«Открой очи мои, и увижу чудеса закона Твоего.
Странник я на земле; не скрывай от меня заповедей Твоих»

(Псалтирь 118:18-19)

Қарақалпақ тили (книги Ветхого Завета и Новый Завет на каракалпакском языке)

Институт перевода Библии (ИПБ) – это российская научная организация, занимающаяся переводом, изданием и распространением Библии на языках неславянских народов, проживающих в России и в сопредельных странах. Эти народы (около 85 млн чел.) имеют различные культурные и религиозные корни и говорят на более чем 130 языках. Численность носителей некоторых из них составляет миллионы, другими владеют только несколько тысяч и даже сотен человек. Одни языки имеют давнюю литературную традицию, а для других письменность была создана совсем недавно. Цель Института перевода Библии – создать точный и богословски верный перевод, чтобы донести содержание Библии до современного читателя на родном языке.

Деятельность ИПБ проходит по благословению Святейшего Патриарха Московского и всея Руси Кирилла. Офис Института располагается в Москве, в Андреевском ставропигиальном монастыре. 28 октября 2015 года весь коллектив Института перевода Библии был удостоин  медали священномученика Евгения (Зернова) в благодарность за многолетнее плодотворное сотрудничество в деле распространения Слова Божия и христианского просвещения народов Якутии. Медаль вручил Председателю Правления ИПБ протоиерею Александру Троицкому епископ Якутский и Ленский Роман.

Книга взята с сайта http://ibt.org.ru/ru/


Ески келисим

 

Жаратылыс

1

 

Дүньяның жаратылыўы

 

1Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты. 2Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3Сонда Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды. 4Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты. 5Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир-биринен айырып турсын!» – деп буйырды. Солай болды да. 7Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды. 8Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да. 10Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да. 12Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 13Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын. 15Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да. 16Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты. 17-18Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 19Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды. 21Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып-тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 22Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди. 23Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да. 25Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди. 27Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты. 28Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады. 30Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.

 

2

 

1Усылайынша аспан ҳәм жер, олардағы пүткил барлық жаратылып болынды. 2Қудай Өз ислерин жетинши күнге дейин тамамлап, жетинши күни барлық ислеринен дем алды. 3Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес етип айырды. Себеби Ол усы күни Өзиниң барлық жаратыўшылық ислеринен дем алды.
4Мине, аспан ҳәм жердиң жаратылыў тарийхы усындай.

 

Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене

 

Қудай Ийе аспан менен жерди жаратқанда, 5жер бетинде еле бирде бир дала путасы ямаса бирде бир дала шөби өспеген еди. Өйткени Қудай Ийе еле жерге жаўын жаўдырмаған болып, жерди тәрбиялайтуғын адам да жоқ еди. 6Бирақ жерден булақ суўы шығып, пүткил жер жүзин суўғарып туратуғын еди. 7Соңынан Қудай Ийе жердиң топырағынан адамды жаратып, оның мурнына өмир демин үпледи. Солай етип, адам тири жан болды.
8Қудай Ийе шығыста, Эденде бир бағ орнатып, Өзи жаратқан адамын сол жерге жайластырды. 9Кейин Қудай Ийе көздиң жаўын алатуғын, жеўге жақсы түрли-түрли мийўе ағашларын жерден өсирип шығарды. Ал бағдың ортасына өмир терегин ҳәм жақсылық пенен жаманлықты билиў терегин өсирип шығарды.
10Эденнен бир дәрья ағып, бағды суўғарды ҳәм ары қарай төрт тармаққа бөлинип кетти. 11Олардың бириншисиниң аты – Пишон болып, ол алтын кәни болған пүткил Хаўила[1] жерин айланып ағады. 12Алтыны жақсы болған ол жерде хош ийисли шайыр ҳәм оникс тасы бар. 13Екинши дәрьяның аты – Гихон болып, ол пүткил Куш[2] жерин айланып ағады. 14Үшинши дәрьяның аты Тигр болып, ол Ашшурдың[3] шығыс тәрепинен ағып өтеди. Төртинши дәрьяның аты – Евфрат еди.
15Солай етип, Қудай Ийе Эден бағын тәрбиялаўы ҳәм онда ислеўи ушын адамды сол жерге орналастырып, 16оған: «Сен бул бағдағы қәлеген терегиңниң мийўесинен жей аласаң. 17Бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме, жесең сөзсиз өлесең», – деп буйырды.
18Соңынан Қудай Ийе: «Адамның жалғыз болғаны жақсы емес, оған ылайықлы жәрдемши жаратаман», – деди. 19Қудай Ийе жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың ҳәммесин топырақтан жаратып, оларға қандай ат беретуғынын билиў ушын, оларды адамға алып келди. Адам ҳәр бирине қандай ат қойса, сол жанлы жаныўар солай аталатуғын болды. 20Адам барлық малларға, аспандағы қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға ат қойды. Бирақ адамның өзине ылайықлы жәрдемши табылмады.
21Сонда Қудай Ийе адамға терең уйқы берди ҳәм ол уйықлап атырғанда, оның бир қабырғасын алып, орнын ет пенен жаўып қойды. 22Қудай Ийе адамның қабырғасынан ҳаялды жаратып, оны адамға алып келди.
23Сонда адам былай деди:

 

 

«Мениң сүйеклеримнен алынған сүйек,
Етимнен алынған ет минекей-ғо!
Ол ҳаял адам[4] деп аталсын,
Өйткени ол ер адамнан алынды».

 

 

24Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өзиниң ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады.
25Адам да, оның ҳаялы да жалаңаш еди, бирақ олар еле уяттың не екенин билмейтуғын еди.

 

3

 

Адамның гүна ислеўи

 

1Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан:
– Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады. 2Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди:
– Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз. 3Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди.
4Жылан ҳаялға:
– Яқ, ҳасла өлмейсиз! 5Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди.
6Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге ысық екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди. 7Сол ўақытта-ақ екеўиниң де көзлери ашылып, өзлериниң жалаңаш екенин билди. Олар әнжир ағашларының жапырақларын бир-бирине тигип, өзлери ушын жапқышлар иследи.
8Олар күнниң ыссылығы қайтқан ўақытта, бағдың ишинде Қудай Ийениң жүргенин еситти ҳәм Оннан тасаланып, бағдағы тереклердиң арасына жасырынды. 9Бирақ Қудай Ийе Адамды даўыслап шақырып:
– Қай жердесең? – деди.
10Сонда Адам:
– Бағда жүргениңди еситкенимде қорқып кеттим. Өйткени жалаңаш едим, сонлықтан жасырындым, – деди.
11Қудай Ийе Адамнан:
– Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.
12Адам:
– Сен маған берген ҳаял теректиң мийўесинен берди, мен де жедим, – деп жуўап берди.
13Қудай Ийе ҳаялға:
– Бул не қылғаның? – деди.
Ҳаял:
– Жылан мени алдады, сонлықтан мен жедим, – деди.
14Сонда Қудай Ийе жыланға былай деди:
– Сен бул исиң ушын барлық маллар ҳәм жабайы ҳайўанлар арасынан шетлетилип, нәлетий боласаң. Өмириң бойы жер баўырлап, топырақ жейсең. 15Мен сениң менен ҳаялды, оның урпағы менен сениң урпағыңды бир-бирине душпан етип қояман. Оның урпағы сениң басыңды езеди, ал сен оның табанын шағасаң.
16Соңынан Қудай Ийе ҳаялға:
– Ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе қуштар боласаң, ол сени басқаратуғын болады, – деди.
17Ал адамға былай деди:
– Ҳаялыңның сөзин тыңлап, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жегениң ушын, жер сен себепли нәлетленеди. Өмириң бойы аўыр мийнет етип, жерден азығыңды таўып жейтуғын боласаң. 18Жер саған шеңгел ҳәм ошаған өсиреди, сен дала шөплерин аўқат етесең. 19Жерге қайтқаныңша, наныңды маңлай териңди төгип табатуғын боласаң. Өйткени сен топырақсаң, топырақтан жаратылғаның себепли және топыраққа айланасаң.
20Адам өзиниң ҳаялын Ҳаўа[5] деп атады, себеби ол пүткил адамзаттың түп анасы болды.
21Қудай Ийе Адам ҳәм оның ҳаялы ушын териден кийим ислеп, оларды кийиндирди. 22Соңынан Қудай Ийе былай деди: «Мине, адам жаманлық пенен жақсылықты билип, Бизлердиң биримиз сыяқлы болды. Енди ол өмир терегине қолын созып, оның мийўесин алып жемесин ҳәм мәңгилик өмир сүрмесин».
23Солай етип, өзи жаратылған жерди тәрбиялаў ушын, Қудай Ийе адамды Эден бағынан шығарып жиберди. 24Ол адамды қуўып шығарып жиберди ҳәм өмир терегине баратуғын жолды қорғаў ушын Эден бағының шығыс тәрепине керубларды[6] ҳәм ҳәр тәрепке айланып туратуғын отлы қылышты қойды.

 

4

 

Каин ҳәм Абыл

 

1Адам ҳаялы Ҳаўа менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Каинды туўды. Сонда Ҳаўа: «Мен Жаратқан Ийениң жәрдеми менен адамды дүньяға келтирдим», – деди. 2Соңынан ол тағы да Каинның иниси Абылды туўды. Абыл шопан, ал Каин дийхан болды. 3Арадан бир неше ўақыт өткеннен соң, Каин жердиң өниминен Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. 4Абыл да өзиниң сүриўиндеги туңғыш төллердиң бир нешесин әкелип, олардың майлы бөлеклерин қурбанлыққа берди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти. 5Бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Сонда Каин қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды.
6Жаратқан Ийе Каинға: «Сен не ушын ашыўланасаң? Неге қабағың қарыс жаўылады? 7Егер нийетиң жақсы болса, басыңды көтерип жүрмес пе едиң? Бирақ, егер нийетиң жаман болса, есик алдында гүна жатыр. Ол сени өзине тартады, бирақ сен оннан үстем бол», – деди.
8Каин иниси Абылға: «Жүр, атызға барайық!» – деди. Олар атызда болған ўақытта Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди.
9Жаратқан Ийе Каиннан:
– Иниң Абыл қай жерде? – деп сорады.
Ол:
– Билмеймен, мен не инимниң қараўылыман ба? – деп жуўап берди.
10Сонда Жаратқан Ийе былай деди:
– Сен не ислеп қойдың? Иниңниң қаны Маған жерден нала етип атыр. 11Сениң өз қолың менен өлтирген иниңниң қанын ишиў ушын аўзын ашқан жерден енди сен қуўып жиберилип, нәлетий боласаң. 12Буннан былай, тәрбиялаған жериң өним бермейтуғын болады ҳәм сен жер бетинде турақлай алмай, гезендеге айланасаң.
13Каин Жаратқан Ийеге:
– Мениң жазам көтере алмайтуғын дәрежеде аўыр. 14Бүгин Сен мени бул жерлерден қуўып атырсаң, енди мен Сениң көзиңнен таса болып, бир жерде турақлай алмай, гезендеге айланаман. Мени дус келген адам өлтирип кетиўи мүмкин-ғо, – деди.
15Сонда Жаратқан Ийе оған:
– Яқ! Егер ким де ким сени өлтирсе, оннан жети есе өш алынады, – деди.
Солай етип, Каинға дусласқан ҳеш бир адам оны өлтирмеўи ушын, Жаратқан Ийе оған бир белги салды. 16Каин Жаратқан Ийениң жанынан кетип, Эденниң шығысындағы Нод деген жерге орналасты.

 

Каинның урпақлары

 

17Каин ҳаялы менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Ханохты туўды. Сол ўақытта Каин бир қала салып атыр еди. Ол қалаға улы Ханохтың атын қойды. 18Ханохтан Ирад туўылды. Ирадтан Мехуяел, Мехуяелден Метушаел, Метушаелден Ламех туўылды.
19Ламех еки ҳаял алды: бириншисиниң аты – Ада, екиншисиниң аты – Силла еди. 20Ада Ябалды туўды. Ол шатырларда жасаўшы шарўалардың түп бабасы болды. 21Инисиниң аты Юбал еди. Ол барлық лира[7] ҳәм сыбызғы шертетуғынлардың түп бабасы болды. 22Ал Силла Тубал-Каинды туўды. Ол барлық қола ҳәм темир қуралларын ислеўши болды. Тубал-Каинның қарындасы Наама еди.
23Ламех ҳаялларына былай деди:

 

 

«Ҳәй, Ада ҳәм Силла, мени тыңлаңлар!
Ламехтиң ҳаяллары,
Сөзиме қулақ салыңлар!
Мени жарақатлағаны ушын бир ер адамды,
Урғаны ушын бир жас жигитти өлтирдим.
24Егер Каин ушын өш алынса жети есе,
Ламех ушын өш алынар жетпис есе».

 

Шет ҳәм Энош

 

25Адам ҳаялы менен тағы жақынласқаннан соң, ҳаялы бир ул туўды. Ол: «Қудай Каин өлтирген Абылдың орнына маған басқа перзент берди», – деп, балаға Шет[8] деп ат қойды. 26Шеттен де бир ул туўылып, оның атын Энош деп қойды.
Адамлар сол ўақыттан баслап Жаратқан Ийеге сыйына баслады.

 

5

 

Адам-атадан Нухқа дейинги урпақлар

 

1Адамның шежиреси мынадай:
Қудай адамды жаратқанда, оны Өзине уқсатып жаратты. 2Оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты ҳәм сол күни оларды жарылқап, оларға «адам» деп ат қойды.
3Адам бир жүз отыз жасқа шыққанда, өзине уқсас, өзиниң бийнесиндей бир балалы болып, оған Шет деп ат қойды. 4Шет туўылғаннан соң, Адам және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 5Адам барлығы болып тоғыз жүз отыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
6Шет бир жүз бес жасқа шыққанда, улы Энош туўылды. 7Энош туўылғаннан соң, Шет және сегиз жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 8Шет барлығы болып тоғыз жүз он еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
9Энош тоқсан жасқа шыққанда, улы Кенан туўылды. 10Кенан туўылғаннан соң, Энош және сегиз жүз он бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 11Энош барлығы болып тоғыз жүз бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
12Кенан жетпис жасқа шыққанда, улы Маҳалалел туўылды. 13Маҳалалел туўылғаннан соң, Кенан және сегиз жүз қырқ жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 14Кенан барлығы болып тоғыз жүз он жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
15Маҳалалел алпыс бес жасқа шыққанда, улы Еред туўылды. 16Еред туўылғаннан соң, Маҳалалел және сегиз жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 17Маҳалалел барлығы болып сегиз жүз тоқсан бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
18Еред бир жүз алпыс еки жасқа шыққанда, улы Ханох туўылды. 19Ханох туўылғаннан соң, Еред және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 20Еред барлығы болып тоғыз жүз алпыс еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
21Ханох алпыс бес жасқа шыққанда, улы Метушелах туўылды. 22Метушелах туўылғаннан соң, Ханох үш жүз жыл даўамында Қудай менен тығыз байланыста жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 23Ханох барлығы болып үш жүз алпыс бес жыл жасады. 24Ол Қудай менен тығыз байланыста жасады. Соңынан ол жер бетинен ғайып болды. Өйткени Қудай оны Өзиниң жанына алған еди.
25Метушелах бир жүз сексен жети жасқа шыққанда, улы Ламех туўылды. 26Ламех туўылғаннан соң, Метушелах және жети жүз сексен еки жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 27Метушелах барлығы болып тоғыз жүз алпыс тоғыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
28Ламех бир жүз сексен еки жасқа шыққанда, бир балалы болды. 29Ол: «Жаратқан Ийениң нәлетлеген жери себепли шеккен азабымызды ҳәм мийнетимизди бул бала жеңиллетип, рәҳәт береди», – деп балаға Нух деп ат қойды. 30Нух туўылғаннан соң, Ламех және бес жүз тоқсан бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды. 31Ламех барлығы болып жети жүз жетпис жети жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
32Нух бес жүз жыл жасағаннан соң, уллары Сам, Хам ҳәм Яфет туўылды.

 

6

 

Нух ҳәм оның кеме соғыўы

 

1Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. 2Иләҳий барлықлар[9] адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. 3Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди.
4Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.
5Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди. 6Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды. 7Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен». 8Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.
9Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди. 10Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды.
11Қудайдың көз алдында жер жүзи бузылып, жаўызлыққа толған еди. 12Қудай жер жүзине қарап, оның соншелли бузылғанын көрди. Өйткени адамлар жолдан шыққан еди. 13Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен. 14Сен өзиңе гофер[10] ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла. 15Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы 300 шығанақ[11], ени 50 шығанақ, бийиклиги 30 шығанақ болсын. 16Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын. 17Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады. 18Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир. 19Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир. 20Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди. 21Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой».
22Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады.

 

7

 

Топан суўы

 

1Жаратқан Ийе Нухқа былай деди: «Пүткил хожалығың менен кемеге кир. Өйткени Мен заманласларың ишинде тек сениң ғана Мениң алдымда ҳақ екениңди көрдим. 2Өзиң менен бирге ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан, ҳарам деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан еки жуптан ал. 3Және де, туқымы жер бетинде сақланып қалыўы ушын, қуслардың ҳәр қыйлы түрлеринен еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан ал. 4Өйткени Мен жети күннен кейин жерге қырқ күн, қырқ түн жаўын жаўдыраман. Өзим жаратқан ҳәр бир тири жанды жер бетинен қырып таслайман».
5Нух Жаратқан Ийениң буйырғанларының барлығын орынлады.
6Жерди топан суўы басқанда, Нух алты жүз жаста еди. 7Нух, оның уллары, ҳаялы ҳәм келинлери топан суўынан қутылыў ушын кемеге кирди. 8-9Қудайдың Нухқа буйырғанындай, ҳадал ҳәм ҳарам деп есапланған ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшылардың еркеги ҳәм урғашысы жуп-жуп болып Нухқа келип, кемеге кирди. 10Жети күннен соң, жер бетин топан суўы қаплай баслады.
11Нух алты жүз жасқа толған жылдың екинши айының он жетинши күнинде терең туңғыйықтың барлық булақларынан суў атлығып, аспан қақпақлары ашылып кетти. 12Жер жүзине қырқ күн, қырқ түн жаўын жаўды.
13Тап сол күни Нух, оның уллары Сам, Хам, Яфет, Нухтың ҳаялы ҳәм үш келини кемеге кирди. 14Барлық жабайы ҳайўанлардың, маллардың, жер баўырлаўшылардың, барлық қуслардың ҳәм қанатлылардың да ҳәр қыйлы түрлери олар менен бирге кирди. 15Ҳәр түрли жанлы жаныўарлар жуп-жуптан Нухқа келип, кемеге кирди. 16Кемеге кирген ҳайўанлар Қудай Нухқа буйырғанындай еркек ҳәм урғашы еди. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Нухтың изинен кемениң қапысын жапты.
17Топан суўы қырқ күн даўам етти ҳәм суўлар тасып, кемени жерден жоқарыға көтерди. 18Суў жер бетинде соншелли көбейип жоқары көтерилгенликтен, кеме суў бетинде жүзе баслады. 19Суўлардың көтерилгени соншелли, жер бетиндеги барлық бәлент таўлар суў астында қалды. 20Көтерилген суўлар таўлардың үстин он бес шығанақ жоқары қаплады. 21Жер жүзиндеги барлық тиришилик: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм барлық адамлар қырылып қалды. 22Қурғақлықтағы тири жанның ҳәммеси өлип қалды. 23Жер жүзиндегилердиң ҳәммеси: адамлардан баслап малларға дейин, жер баўырлаўшылардан баслап қусларға дейин набыт болды. Тек Нух ҳәм оның менен бирге кемеде болғанлар ғана аман қалды. 24Топан суўы жер жүзин бир жүз елиў күн қаплап турды.

 

8

 

Топан суўының ақыры

 

1Бирақ Қудай Нухты ҳәм оның менен бирге кемеде болған жабайы ҳайўанлар менен малларды есине түсирип, жер бетине самал естирди. Сонда суўлар азайа баслады. 2Туңғыйықтың булақлары ҳәм аспанның қақпақлары жабылып, жаўын тынды. 3Суўлар әсте-әсте жер бетинен қайта баслады ҳәм бир жүз елиў күннен кейин азайып қалды. 4Кеме жетинши айдың он жетинши күни Арарат таўлары үстинде тоқтады. 5Суўлар оныншы айға шекем азайып, оныншы айдың биринши күнинде таўлардың төбелери көрине баслады.
6Қырқ күннен соң, Нух өзи соққан кемениң әйнегин ашты. 7Ол бир ғарғаны ушырып жиберди. Жер бетиндеги суўлар қурығанға дейин ғарға ушып келип-кетип турды. 8Соңынан Нух жер бетиндеги суўдың қайтқан-қайтпағанын билиў ушын бир кептерди ушырып жиберди. 9Бирақ кептер қонатуғын жер таба алмай, және Нухқа, кемеге қайтып келди. Себеби еле жер бетин суў қаплап тур еди. Нух қолын созып, кептерди өз жанына, кемеге киргизип алды. 10Жети күн күтип, Нух кептерди кемеден және шығарып жиберди. 11Кептер кеште қайтып келгенде, оның тумсығында зәйтүн ағашының жаңа жулынған бир жапырағы бар еди. Сонда Нух жер бетиндеги суўдың қайтқанын түсинди. 12Нух және жети күн күткеннен соң, кептерди қайтадан шығарып жиберди. Бул рет кептер қайтып келмеди.
13Нух алты жүз бир жасқа толған жылдың биринши айының биринши күни жер бетиндеги суўлар қурғады. Нух кемениң төбесин ашып, жердиң қурғағанын көрди. 14Екинши айдың жигирма жетинши күни жер толық қурғады.
15Сонда Қудай Нухқа былай деди: 16«Ҳаялың, улларың ҳәм келинлериң менен бирге кемеден шық. 17Өзиң менен бирге барлық жаныўарларды: қусларды, ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды да шығар. Олар жер жүзине таралып, жер бетинде өсип-өнип, көбейсин».
18Нух ҳаялы, уллары ҳәм келинлери менен бирге кемеден шықты. 19Барлық ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар, қуслар – жер бетинде тиришилик етиўшилердиң ҳәммеси түр-түри бойынша кемеден шықты.

 

Нухтың қурбанлық бериўи

 

20Нух Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды. Сол жерде ол ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың ҳәм қуслардың ҳәммесинен алып, оларды қурбанлыққа шалып, жағып жиберди.
21Жаратқан Ийе жағымлы ийисти унатып, Өз кеўлинде былай деди: «Мен енди жерди адамлар себепли нәлетлемеймен. Өйткени адамның кеўлиндеги нийетлер балалығынан-ақ жаман болады. Мен усы ислегенимдей, енди ҳеш қашан пүткил тиришиликти жоқ қылып жибермеймен.
22Ендигиден былай, дүнья турғанша, егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, күндиз ҳәм түн бола береди».

 

9

 

Қудайдың Нух пенен дүзген келисими

 

1Қудай Нухты ҳәм оның улларын жарылқап былай деди: «Өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер жүзин толтырыңлар. 2Жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың, жер жүзиндеги тири жанлардың ҳәм теңиздеги балықлардың ҳәммеси сизлерден қорқып, үркетуғын болсын. Олар сизлердиң бийлигиңизге берилген. 3Барлық тири жаныўарлар сизлерге аўқат болады. Өсимликлерди бергеним сыяқлы, Мен сизлерге ҳәммесин берип атырман.
4Бирақ олардың қанын шығармай турып, гөшин жемең. Себеби жан қаннан ибарат. 5Егер сизлердиң де қаныңыз төгилсе, ҳақыңызды сөзсиз талап етемен. Адам жанын қыйған ҳәр қандай адам ҳәм ҳайўаннан Мен есап талап етемен. 6Ким адамның қанын төксе, оның өзиниң қаны да басқа адам тәрепинен төгиледи. Себеби Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. 7Ал сизлер өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер бетине тарқалып, артып барыңлар».
8Қудай Нухқа ҳәм оның улларына былай деди: 9«Мен сизлер менен, сизлердиң келешек урпағыңыз бенен келисим дүземен. 10Және де, сизлер менен бирге болған барлық жанлы жаныўарлар: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар ҳәм сизлер менен кемеден шыққан жер бетиндеги барлық ҳайўанлар менен келисим дүземен. 11Сизлер менен дүзетуғын келисимим мынадан ибарат: ендигиден былай, пүткил тиришилик топан суўы менен жоқ етилмейди ҳәм жер жүзин жоқ ететуғын топан суўы енди қайтып болмайды».
12Қудай сөзин даўам етип былай деди: «Мениң сизлер ҳәм ҳәр бир жанлы жаныўар менен барлық келешек урпақлар ушын мәңгиге дүзип атырған келисимимниң белгиси мынаў: 13Мен Өз айқулағымды бултларға жайластыраман ҳәм ол Мениң менен жерде жасаўшылардың арасындағы дүзген келисимимниң белгиси болады. 14Мен жер үстине булт жибергенимде, бултларда айқулақ пайда болады. 15Сонда Мен сизлер менен ҳәм ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимди еске аламан. Пүткил тиришиликти жоқ етиўши топан суўы енди қайтып болмайды. 16Қашан бултларда айқулақ пайда болса, Мен оны көрип, жерде жасаўшылардың ҳәммеси менен Өзим дүзген мәңгилик келисимимди еске аламан».
17Соңынан Қудай Нухқа: «Мениң жерде жасаўшы ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимниң белгиси – усы», – деди.

 

Нухтың уллары

 

18Нухтың кемеден шыққан уллары – Сам, Хам ҳәм Яфет еди. Хам Кенаанның әкеси еди. 19Булар Нухтың үш улы еди. Жер жүзиндеги барлық халықлар олардан тарқады.
20Нух жерди тәрбиялап, жүзим егиўге киристи. 21Ол шарап ишип, мәс болып қалды ҳәм өзиниң шатырында жалаңаш жатты. 22Кенаанның әкеси болған Хам әкесиниң жалаңаш жатырғанын көрди ҳәм сыртқа шығып, бул ҳаққында еки туўысқанына айтып берди. 23Сонда Сам менен Яфет бир шапанды ийинлерине таслады да, терис қарап жүриўи менен ишке кирип, әкесиниң жалаңаш денесин шапан менен жапты. Олар әкесиниң жалаңаш екенин көрмеў ушын жүзлерин басқа тәрепке бурды.
24Мәслиги тарқағаннан соң, Нух кишкене улының не ислегенин билип, 25былай деди:

 

 

«Кенаанға нәлет жаўсын!
Ол туўысқанларының қулларының қулы болсын!»

 

 

26Ол және былай деди:

 

 

«Самның Қудай Ийесине алғыслар болсын!
Ал Кенаан Самның қулы болсын!
27Қудай Яфеттиң жерлерин кеңейтсин!
Ол Самның шатырларында жасасын!
Ал Кенаан Яфеттиң қулы болсын!»

 

 

28Нух топан суўынан соң және үш жүз елиў жыл өмир сүрди. 29Ол барлығы болып тоғыз жүз елиў жыл жасағаннан соң, қайтыс болды.

 

10

 

Нухтың улларының урпақлары

 

1Нухтың уллары Сам, Хам ҳәм Яфеттиң шежиреси мынадай: топан суўынан кейин олардан балалар туўылды.
2Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
3Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
4Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Доданим. 5Булардан теңиз жағаларында жасаўшы халықлар өрбиди. Олар өз үлкелеринде ҳәр қыйлы тиллерде сөйлеп, халықлары ҳәр қыйлы қәўимлерге бөлинди.
6Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Кенаан.
7Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха.
Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
8Куштың Нимрод деген улы болып, ол өз күши менен дүньяға танылды. 9Нимрод Жаратқан Ийениң алдында күшли аңшы болғанлықтан: «Жаратқан Ийениң алдында Нимрод сыяқлы күшли аңшы», – деген сөз келип шыққан. 10Ол дәслеп Шынар[12] жериндеги Бабыл[13], Эрех, Аккад ҳәм Калне қалаларында патшалық етти. 11Соңынан ол сол жерден Ассирияға кетип, Ниневия, Рехобот-Ир, Калах қалаларын, 12сондай-ақ Ниневия менен Калах арасындағы Ресен қаласын қурды. Ол уллы қала болды.
13Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух, 14патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
15Кенааннан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды. 16Сондай-ақ ебус, амор, гиргаш, 17хиў, арқ, син, 18арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Кенааннан келип шықты. Кейин ала кенаан қәўимлери әтирапқа тарап жайылып кетти. 19Кенаан халқының жерлери Сидоннан Герар тәрепке қарай Газаға шекем, оннан Содом, Гомора, Адма, Себойым тәрепке қарай Лешаға шекем созылып жатты.
20Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Хамның урпақлары еди.
21Яфеттиң әжағасы Самның да балалары болды. Ол барлық Эбер урпақларының түп бабасы болды.
22Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд ҳәм Арам.
23Арамның уллары: Ус, Хул, Гетер, Маш.
24Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
25Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег[14] еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Йоқтан еди.
26Йоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах, 27Ҳадорам, Узал, Дикла, 28Обал, Абимаел, Шеба, 29Офир, Хаўила ҳәм Йобаб туўылды. Булардың бәри Йоқтанның уллары еди.
30Олар шығыста, Мешадан Сефарға шекем созылған таўлы үлкеде жасайтуғын еди.
31Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Самның урпақлары еди.
32Топан суўынан соң, пүткил жер жүзине халық-халық, урыў-урыў болып тараған бул адамлар Нухтың урпақлары еди.

 

11

 

Бабыл минарасы

 

1Сол ўақытлары дүньядағы барлық адамлар бир тилде сөйлеп, бирдей сөзлерди қолланатуғын еди. 2Адамлар шығысқа қарай көшип баратырып, Шынар жеринде бир тегислик тапты ҳәм сол жерге орналасты.
3Адамлар бир-бирине: «Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик», – деди. Олар тастың орнына гербиш, ылайдың орнына қара май қолланды. 4Соңынан олар: «Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз», – дести.
5Жаратқан Ийе адамлар қурып атырған қаланы ҳәм минараны көриў ушын төменге түсти 6ҳәм былай деди: «Мине, олар бир халық болып, бир тилде сөйлегенликтен, усы исти баслады. Енди олардың ойлаған ойын иске асырыўға ҳеш нәрсе кесент етпейди. 7Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық».
8Солай етип, Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберип, қала қурылысын тоқтатып таслады. 9Сонлықтан бул қала Бабыл[15] деп аталды. Себеби Жаратқан Ийе сол жерде барлық адамлардың тиллерин араластырып таслап, оларды пүткил жер жүзине таратып жиберген еди.

 

Самның Ибрайымға шекемги урпақлары

 

10Самның шежиреси мынадай: топан суўынан еки жыл өткеннен соң, Сам жүз жаста болғанда, улы Арпахшад туўылды. 11Арпахшад туўылғаннан соң, Сам және бес жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
12Арпахшад отыз бес жасқа шыққанда, улы Шелах туўылды. 13Шелах туўылғаннан соң, Арпахшад және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14Шелах отыз жасқа шыққанда, улы Эбер туўылды. 15Эбер туўылғаннан соң, Шелах және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
16Эбер отыз төрт жасқа шыққанда, улы Пелег туўылды. 17Пелег туўылғаннан соң, Эбер және төрт жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
18Пелег отыз жасқа шыққанда, улы Реу туўылды. 19Реу туўылғаннан соң, Пелег және еки жүз тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20Реу отыз еки жасқа шыққанда, улы Серуг туўылды. 21Серуг туўылғаннан соң, Реу және еки жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
22Серуг отыз жасқа шыққанда, улы Нахор туўылды. 23Нахор туўылғаннан соң, Серуг және еки жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
24Нахор жигирма тоғыз жасқа шыққанда, улы Терах туўылды. 25Терах туўылғаннан соң, Нахор және бир жүз он тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
26Терах жетпис жасқа шыққаннан соң, оннан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран деген уллар туўылды.

 

Терахтың урпақлары

 

27Терахтың урпақларының тарийхы мынадай: Терахтан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран туўылды. Ал Ҳараннан Лут туўылды. 28Әкеси Терахтың көзиниң тирисинде, Ҳаран өзиниң туўылған жери болған халдейлердиң Ур қаласында қайтыс болды. 29Ибрам да, Нахор да үйленди. Ибрамның ҳаялының аты Сарай, ал Нахордың ҳаялының аты Милка еди. Милка Исканың әкеси Ҳаранның қызы еди. 30Сарайдың баласы болмай, бийперзент еди.
31Терах улы Ибрамды, Ҳаранның улы болған ақлығы Лутты ҳәм Ибрамның ҳаялы болған келини Сарайды алып, Кенаан жерине барыў ушын халдейлердиң Ур қаласынан жолға шықты. Бирақ олар Харан жерине жеткенде, сол жерге орналасып қалды.
32Терах еки жүз бес жыл өмир сүрип, Харанда қайтыс болды.

 

12

 

Ибрамның шақырылыўы

 

1Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. 2Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң. 3Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деди.
4Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди. 5Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал-мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Кенаан жерине қарай жолға шықты. Олар Кенаан жерине жетип барғанда, 6Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Море емен терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде кенаан халқы жасайтуғын еди. 7Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» – деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
8Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оған сыйынды. 9Соңынан ол қубла тәрепке, Негебке қарай жолын даўам етти.

 

Ибрам Мысырда

 

10Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти. 11Олар Мысырға жақынлағанда, Ибрам ҳаялы Сарайға былай деди:
– Мен сениң сулыў ҳаял екениңди билемен. 12Мысырлылар сени көргенде: «Бул оның ҳаялы», – деп, мени өлтирип, ал сени тири қалдырады. 13Оларға: «Оның қарындасыман», – деп айт. Сонда сен себепли олар маған жақсы қатнаста болады ҳәм мен аман қаламан.
14Ибрам Мысырға келгенде, мысырлылар оның ҳаялының жүдә гөззал екенин көрди. 15Фараонның хызметкерлери ҳаялды көрип, фараонға оның сулыўлығын мақтап айтып берди. Ҳаял фараонның сарайына алынды. 16Фараон Сарай себепли Ибрамға жақсы қатнаста болды. Ибрам ири ҳәм майда малларға, еркек ҳәм урғашы ешеклерге, қул ҳәм шорыларға, түйелерге ийе болды.
17Бирақ Жаратқан Ийе Ибрамның ҳаялы Сарай себепли фараонды ҳәм оның үй-ишин аўыр қайғыларға дуўшар етти. 18Сонда фараон Ибрамды шақыртып оған былай деди: «Сен неге маған булай иследиң? Не себептен маған, оның ҳаялың екенин айтпадың? 19Не ушын оны қарындасым дедиң? Мен оны ҳаяллыққа алайын деп қалдым-ғо. Ҳаялыңды ал да, кет!» 20Солай етип, фараон өз адамларына Ибрамды ҳаялы ҳәм барлық жыйған-тергенлери менен шығарып салыўды буйырды.

 

13

 

Ибрам менен Луттың бир-биринен бөлиниўи

 

1Ибрам ҳаялын ҳәм өзиниң барлық мал-мүлкин алды да, Мысырдан шығып, Негебке кетти. Лут та олар менен бирге кетти. 2Ибрам малларға, гүмис ҳәм алтынларға оғада бай еди. 3Ол Негебтен Бейт-Элге шекем көшип-қонып жүрди ҳәм Бейт-Эл менен Ай қаласының ортасындағы бурын өзи шатыр қурған орынға келди. 4Сол жерде бурын өзи қурған қурбанлық орынға барып, Жаратқан Ийеге сыйынды.
5Ибрам менен бирге көшкен Луттың да ири ҳәм майда маллары, шатырлары бар еди. 6Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан жер жетиспей, бирге жасаў мүмкин болмай қалды. 7Сонлықтан Ибрам менен Луттың шопанлары арасында жәнжел пайда болды. Сол ўақытлары кенаан ҳәм периз халықлары да усы елде жасайтуғын еди.
8Сонда Ибрам Лутқа: «Бизлердиң арамызда да, шопанларымыздың арасында да жәнжел болмасын. Ақыры, бизлер туўысқанбыз-ғо! 9Барлық жер сениң көз алдыңда. Кел, бөлинейик. Егер сен солға кетсең, мен оңға кетемен. Егер сен оңға кетсең, мен солға кетемен», – деди.
10Лут әтирапына қарап, пүткил Иордан тегислигиниң Соарға шекемги мол суўлы жерлерин көрди. Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомораны жоқ етпестен алдын, бул жерлер Жаратқан Ийениң бағындай, Мысыр жериндей еди. 11Лут пүткил Иордан тегислигин таңлап, шығысқа қарай кетти. Солай етип, олар бир-биринен бөлинди. 12Ибрам Кенаан жеринде қалды, ал Лут тегисликтеги қалалардың арасына жайласып, Содомға жақын жерге шатыр қурды. 13Содом халқы жаўыз болып, Жаратқан Ийеге қарсы көп гүналар ислейтуғын еди.
14Лут Ибрамнан бөлингеннен соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Өзиң турған жерден арқаға ҳәм қублаға, шығысқа ҳәм батысқа қара! 15Өзиң көрип турған жердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге беремен. 16Мен сениң урпақларыңды жердиң қумы сыяқлы көбейтемен. Ким де ким жердеги қумларды санай алса, сениң урпақларыңды да санай алады. 17Қәнекей, бар да, Мениң саған беретуғын жерлеримди бастан аяғына шекем айланып шық».
18Ибрам Хебронға жақын жердеги Мамре емензары деп аталатуғын орынға шатырларын көширип апарып орналасты. Сол жерде ол Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды.

 

14

 

Ибрамның Лутты тутқынлықтан қутқарыўы

 

1Сол ўақытлары Шынар патшасы Амрафел, Элласар патшасы Арйох, Элам патшасы Кедарлаомер ҳәм Гойым патшасы Тидал биригип, 2Содом патшасы Бераға, Гомора патшасы Биршаға, Адма патшасы Шинабқа, Себойым патшасы Шемеберге ҳәм Бела патшасына, яғный Соар патшасына қарсы урыс ашты. 3Ал соңғы аталған бес патша биригип, Сиддим ойпатлығында, яғный ҳәзирги Өли теңиз жайласқан орында аўқам дүзди. 4Бул патшалар он еки жыл Кедарлаомердиң қол астында болып, он үшинши жылы оған қарсы бас көтерди.
5Он төртинши жылы Кедарлаомер ҳәм оның менен аўқамлас болған патшалар келип, Аштерот-Қарнайымдағы рефа, Ҳамдағы зуз, Шаўе-Кирятайымдағы эм халықларын, 6және де, таўлы Сеир үлкесиндеги хор халқын шөл шетиндеги Эл-Паранға дейин қыйратып, жеңилиске ушыратты. 7Олар сол жерден изге қайтып, Эн-Мишпатқа, ҳәзирги Қадешке келди ҳәм амалеклердиң барлық жерлерин басып алып, Хасесон-Тамарда жасаўшы аморларды қыйратты.
8Содом, Гомора, Адма, Себойым ҳәм Бела, яғный Соар патшалары Сиддим ойпатлығына шығып сап тартып турды. 9Усы бес патша төрт патшаға, яғный Элам патшасы Кедарлаомерге, Гойым патшасы Тидалға, Шынар патшасы Амрафелге ҳәм Элласар патшасы Арйохқа қарсы урыс ашты. 10Сиддим ойпатлығында қара май кәнлери көп еди. Содом ҳәм Гомора патшалары қашып баратырғанда олардың адамларының гейбиреўлери сол кәнлерге түсип кетти, ал қалғанлары таўға қашты. 11Жеңген төрт патша Содом ҳәм Гомораның пүткил байлығын ҳәм азық-аўқатларын алып кетти. 12Олар және сол ўақытта Содомда жасап атырған Ибрамның иниси Лутты ҳәм оның мал-мүлкин де алып кетти.
13Ол жерден қашып қутылған бир адам келип, еврей Ибрамға болған ўақыяны хабарлады. Сол ўақытта Ибрам Эшкол менен Анердиң туўысқаны болған, амор халқынан болған Мамрениң емензарының қасында жасап атыр еди. Булардың ҳәммеси Ибрамның аўқамласлары еди. 14Ибрам инисиниң тутқынға түскенин еситип, үйинде туўылып өскен, урысқа жарамлы үш жүз он сегиз адамды қуралландырды да, төрт патшаның изинен Дан қаласына шекем қуўып барды. 15Ибрам адамларын топарларға бөлип, түнде душпанға қарсы ҳүжим жасады ҳәм оларды қыйратып, Дамасктың арқа тәрепиндеги Хобаға шекем қуўып барды. 16Ол олжаға алынған пүткил мал-мүликти, иниси Лутты, оның мал-мүлкин, ҳаялларды ҳәм тутқын болғанларды қайтарып алып келди.

 

Мелкиседектиң Ибрамға пәтиясын бериўи

 

17Ибрам Кедарлаомер ҳәм оның аўқамласлары үстинен жеңиске ерисип қайтып киятырғанда, Содом патшасы оны күтип алыў ушын Шаўе ойпатлығына, яғный Патша ойпатлығына шықты.
18Қудай Тааланың[16] руўханийи болған Сәлем[17] патшасы Мелкиседек нан ҳәм шарап алып шықты. 19Ол Ибрамға пәтиясын берип, былай деди:

 

 

«Аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Таала
Ибрамды жарылқасын.
20Душпанларыңды тәслим еттирген
Қудай Таалаға алғыслар болсын».

 

 

Сонда Ибрам Мелкиседекке өзиндеги барлық нәрселерден үсир берди.
21Ал Содом патшасы Ибрамға:
– Адамларымды маған қайтарып бер, ал олжаларды өзиңде қалдыра бер, – деди.
22-23Бирақ Ибрам Содом патшасына былай деди:
– Сен: «Мен Ибрамды байыттым», – деп айтып жүрмеўиң ушын, мен Жаратқан Ийениң, яғный аспан ҳәм жерди жаратқан Қудай Тааланың алдында саған тийисли ҳеш нәрсени, ҳәтте, бир сабақ та, аяқ кийимниң баўын да алмайтуғынымды айтып, ант ишемен. 24Бирақ тек адамларымның ишип-жегени ҳәм мениң менен бирге урысқа барған Анер, Эшкол ҳәм Мамрениң өз үлеслери буған кирмейди. Олар өз үлеслерин алсын.

 

15

 

Қудайдың Ибрам менен келисим дүзиўи

 

1Бул ўақыялардан соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деп аян берди:
– Қорқпа, Ибрам. Мен – сениң қалқаныңман. Саған берилетуғын сыйлық оғада уллы болады.
2Бирақ Ибрам былай деди:
– О, Ийем, Жаратқан Ийе! Сен маған не бересең? Мен еле бийперзентпен-ғо! Мениң үйим дамасклы Элиезерге қалады. 3Сен маған перзент бермегениң себепли, үйимдеги бир хызметшим мийрасхорым болады.
4Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға:
– Сениң мийрасхорың ол емес, ал өзиңнен туўылатуғын балаң болады, – деди. 5Соңынан Ибрамды сыртқа шығарып былай деди:
– Аспанға қара! Егер жулдызларды санай алсаң, оларды санап көр. Мине, сениң урпақларың да сондай көп болады.
6Ибрам Жаратқан Ийеге исенди ҳәм Жаратқан Ийе сол исенимди әдиллик деп санады.
7Соңынан Ол Ибрамға:
– Бул жерди саған меншик етип бериў ушын, сени халдейлердиң Ур қаласынан шығарған Жаратқан Ийең Мен боламан, – деди.
8Бирақ Ибрам Оннан:
– О, Ийем, Жаратқан Ийе, бул жерлерди меншик етип алатуғынымды қалай билемен? – деп сорады.
9Сонда Жаратқан Ийе оған:
– Маған ҳәр бириниң жасы үш жасар болған қашар, ешки, қошқар, және де, бир қумыры ҳәм кептердиң палапанын алып кел.
10Ибрам ҳәммесин алып келди ҳәм оларды дәл ортасынан бөлип, бөлеклерди бир-бирине қарама-қарсы қойды. Ал қусларды бөлмеди. 11Сойылған маллардың денесине жыртқыш қуслар ушып келип, қона баслады, бирақ Ибрам оларды қуўып жиберди.
12Күн батар ўақытта, Ибрам терең уйқыға кетти. Сонда қорқынышлы бир қара түнек оны қоршап алды. 13Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Мынаны жақсы билип қой: сениң урпақларың жат елде келгинди болып жасайды. Олар төрт жүз жыл қулшылықта болып, езиўшилик көреди. 14Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Соннан соң, олар сол жерден көп мал-мүлик пенен шығып кетеди. 15Ал сен мазмунлы узақ өмир сүрип, өлип жерленесең ҳәм тынышлық пенен ата-бабаларыңның жанына барасаң. 16Сениң урпақларыңның тек төртинши әўлады ғана бул жаққа қайтып келеди, себеби аморлардың гүнасы еле толыў мөлшерине жеткен жоқ».
17Күн батып, қараңғылық шөккенде, иши түтеп турған ыдыс ҳәм лаўлаған жалын пайда болып, бөлинген маллардың арасынан жүрип өтти. 18Усы күни Жаратқан Ийе Ибрам менен келисим дүзип былай деди: «Мен сениң урпақларыңа Мысыр дәрьясынан уллы Евфрат дәрьясына шекем созылған жерди, 19яғный кен, кениз, қадмон, 20хетт, периз, рефа, 21амор, кенаан, гиргаш ҳәм ебус халықларының жерлерин беремен».

 

16

 

Ажар ҳәм Исмайыл

 

1Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди. 2Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», – деди.
Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты. 3Солай етип, Ибрамның Кенаан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға ҳаяллыққа алып берди. 4Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
5Сарай Ибрамға:
– Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, – деди.
6Ибрам Сарайға:
– Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, – деди.
Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
7Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға[18] апаратуғын жолдың бойынан таўып:
8– Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? – деп сорады.
Ол:
– Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, – деп жуўап берди. 9Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған:
– Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, – деди. 10Периште даўам етип:
– Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, – деди. 11Жаратқан Ийениң периштеси оған және:
– Минекей, сен ҳәмиледарсаң. Сен ул туўасаң. Оның атын Исмайыл[19] деп қоясаң. Өйткени Жаратқан Ийе сениң зарыңды еситти! 12Сениң улың қуландай болады. Ол ҳәммеге қарсы, ҳәмме оған қарсы болады ҳәм ол барлық туўысқанлары менен душпан болып өмир сүреди, – деди.
13Ажар: «Мен өзимди көрип турған Қудайды көрдим», – деп, өзи менен сөйлескен Жаратқан Ийени «Эл-Роий»[20] деп атады. 14Сонлықтан Қадеш пенен Бередтиң арасында жайласқан бул қудық «Беер-Лахай-Роий»[21] деп аталады.
15Ажар Ибрамға ул туўып берди. Ибрам улына Исмайыл деп ат қойды. 16Ажар Исмайылды туўғанда, Ибрам сексен алты жаста еди.

 

17

 

Сүннет – келисимниң белгиси

 

1Ибрам тоқсан тоғыз жаста болғанда, Жаратқан Ийе оған аян берип:
– Мен Қүдирети күшли Қудайман. Мениң жолым менен жүр ҳәм минсиз бол. 2Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен ҳәм сениң урпақларыңды есап-сансыз қылып көбейтемен, – деди.
3Ибрам ет-бетинен жығылды. Сонда Қудай оған былай деди:
4– Мениң сениң менен дүзетуғын келисимим мынаў: сен көп халықлардың бабасы боласаң. 5Енди сениң атың Ибрам емес, ал Ибрайым[22] болады. Себеби Мен сени көп халықлардың бабасы қыламан. 6Мен сениң нәсилиңди сансыз етип көбейтип, сеннен халықлар дөретемен. Сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. 7Мен сениң менен ҳәм сеннен кейинги урпақларың менен әўладтан-әўладқа өтетуғын мәңгилик келисим дүземен: Мен сениң ҳәм сеннен кейинги урпақларыңның Қудайы боламан. 8Ҳәзир өзиң келгинди болып жасап атырған пүткил Кенаан жерин саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен ҳәм Мен олардың Қудайы боламан.
9Қудай Ибрайымға және былай деди:
– Ал сен ҳәм сеннен кейинги урпақларың Мениң келисимимди әўладтан-әўладқа сақлаўыңыз тийис. 10Мениң сениң менен ҳәм сениң урпақларың менен дүзген келисимим, яғный сизлер орынлаўыңыз керек болған келисим мынаў: сизлердиң араңыздағы ҳәр бир ер адам сүннет етилиўи тийис. 11Сизлер сүннет етилиўиңиз шәрт. Сүннет арамыздағы келисимниң белгиси болады. 12Ҳәр бир ер бала, соның ишинде үйиңизде туўылған ямаса урпағыңыздан болмай, қандай да бир шет елли адамнан сатып алынған қуллар сегиз күнлигинде сүннет етилсин. Бул әўладтан-әўладқа даўам етсин. 13Олар үйиңде туўылған болса да, сатып алынған болса да, сүннет етилиўи шәрт. Денеңиздеги бул белги Мениң мәңгилик келисимимниң белгиси болады. 14Сүннет етилмеген ҳәр бир еркек өз халқы арасынан шығарылып жиберилсин. Өйткени ол келисимди бузған болады.
15Қудай Ибрайымға және былай деди:
– Ендигиден былай, ҳаялыңды Сарай деп емес, ал Сара[23] деп шақыр. 16Мен оны жарылқайман ҳәм ол арқалы саған бир ул беремен. Мен оны жарылқайман ҳәм ол халықлардың анасы болады. Оннан халықлардың патшалары келип шығады.
17Ибрайым ет-бетинен жығылды. Ол: «Жүз жасар ғаррыдан бала туўыла ма? Тоқсан жасар Сара бала туўа ма?» – деп ойлап, күлип қойды. 18Соң ол Қудайға:
– Ҳеш болмаса, Исмайылым алдыңда аман жүргей, – деди.
19Сонда Қудай оған былай деди:
– Яқ, ҳаялың Сара саған ул туўып береди. Сен оның атын Ысақ деп қоясаң. Мен оның менен ҳәм оның урпақлары менен мәңгилик келисимимди дүземен. 20Ал Исмайылға келсек, сениң ол туўралы айтқанларыңды еситтим. Мен оны жарылқап, өсип-өндиремен ҳәм урпақларын есап-сансыз қылып көбейтемен. Исмайылдан он еки көсем келип шығады. Мен оннан уллы халық дөретемен. 21Бирақ Мен Өз келисимимди келеси жылы усындай ўақытта Сараның туўатуғын улы Ысақ пенен дүземен.
22Қудай Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, жоқарыға көтерилип кетти.
23Ибрайым Қудайдың айтқанындай, сол күни-ақ үйиндеги барлық еркеклерди: улы Исмайылды, үйинде туўылған ҳәм сатып алынған ер адамлардың ҳәммесин сүннет еттирди. 24Ибрайым өзи сүннет етилгенде, тоқсан тоғыз жаста, 25ал улы Исмайыл он үш жаста еди. 26Ибрайым ҳәм оның улы Исмайыл да сол күни-ақ сүннет етилди. 27Олар менен бирликте Ибрайымның үйиндеги барлық еркеклер: сол үйде туўылғанлар ҳәм шет елли адамлардан сатып алынған қуллар да сүннет етилди.

 

18

 

Қудайдың Ибрайымға ул бериўди ўәде етиўи

 

1Күнниң жәзийрама ыссы ўақтында, Ибрайым шатырдың кирер аўзында отырған еди. Сонда оған Мамре емензарының қасында Жаратқан Ийе көринди. 2Ибрайым басын көтерип қарағанда, қарсы алдында үш адамның турғанын көрди. Ол дәрҳал отырған орнынан ушып турды да, оларды қарсы алыўға асықты ҳәм жерге дейин ийилип, тәжим етти.
3Соңынан Ибрайым былай деди:
– Мырзам, егер мен мийримиңизге ерискен болсам, мендей қулыңызды шетлеп өтпең. 4Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Мына теректиң астында дем алыңлар. 5Мендей қулыңыз тәрепке жолыңыз түскен екен, ҳәлленип алыўыңыз ушын жейтуғын бир нәрселер әкелейин. Соң жолыңызды даўам етерсиз.
Олар:
– Яқшы, өзиң айтқаныңдай қыла бер, – деди.
6Ибрайым асығыслық пенен шатырға, Сараның қасына келип, оған:
– Тез сапалы уннан үш табақ[24] қамыр ийлеп, пәтир писир, – деди.
7Соңынан Ибрайым падаға жуўырып барды да, бир жас ҳәм жақсы баспақты алып, оны хызметши жигитке берди. Жигит оны тез таярлаўға киристи. 8Ибрайым сүзбе, сүт ҳәм писирилген баспақ гөшин әкелип, қонақлардың алдына қойды. Олар аўқатланып отырғанда, Ибрайым олардың қасында, теректиң астында турды.
9Олар Ибрайымнан:
– Ҳаялың Сара қаяқта? – деп сорады.
– Усы жерде, шатырда, – деп жуўап берди Ибрайым.
10Сонда олардың бири оған:
– Келеси жылы усындай ўақытта Мен сениң жаныңа сөзсиз қайтып келемен, сол ўақытта Сара уллы болады, – деди.
Ал Сара Оның арт бетинде, шатырдың кирер аўзында тыңлап турған еди. 11Ибрайымның да, Сараның да әлле қашан жасы өтип, қартайып қалған еди. Сара бала туўыў жасынан өткен еди. 12Сонлықтан Сара ишинен күлип: «Қартайып қалған болсам, бундай ҳәзликке бөлене алар ма екенмен? Оның үстине мырзам да қартайған», – деп ойлады.
13Сонда Жаратқан Ийе Ибрайымға:
– Сара не ушын: «Мен ҳақыйқаттан да, қартайғанда бала туўа аламан ба?» – деп күлди. 14Жаратқан Ийе ушын мүмкин емес нәрсе бар ма? Мен белгиленген ўақытта, келеси жылы усындай ўақытта жаныңа қайтқанымда, Сара уллы болады, – деди.
15Сара қорқып кетип:
– Күлгеним жоқ, – деп өтирик сөйледи.
Бирақ Ол:
– Яқ, күлдиң, – деди.

 

Ибрайымның Содом ушын жалбарыныўы

 

16Адамлар сол жерден шығып, төменге, Содомға қарай кетти. Ибрайым да оларды шығарып салыў ушын бирге жүрди. 17Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Мен ислейжақ исимди Ибрайымнан жасыраман ба? 18Ибрайымнан уллы ҳәм күшли халық келип шығып, жер жүзиндеги барлық халықлар ол арқалы жарылқанатуғыны сөзсиз-ғо. 19Туўры ҳәм әдил ислерди ислеп, жолым менен жүриўди балаларына ҳәм урпақларына буйырсын деп, Мен Ибрайымды таңладым. Солай етип, Мен оған берген сөзимди орынлайман».
20Соңынан Жаратқан Ийе және былай деди: «Содом ҳәм Гомора себепли шегилген налалар оғада көп ҳәм олардың гүналары да жүдә аўыр. 21Енди Мен төменге түсип, олардың ислеген ислериниң Мен еситкендей дәрежеде жаман ба екенлигин көрейин. Егер олай болмаса, оны да билейин».
22Еки адам бурылып, Содомға қарай кетти. Бирақ Ибрайым Жаратқан Ийениң алдында турып қалды. 23Соңынан ол Жаратқан Ийеге жақынырақ келип былай деди:
– Сен ҳақ адамды наҳақ адам менен бирге қырып тасламақшымысаң? 24Мүмкин, бул қалада елиў ҳақ адам бар шығар? Сен ҳақыйқаттан да, сол жерди ишиндеги елиў ҳақ адам ушын кеширмей, қырып таслайжақсаң ба? 25Булай ислеўден аўлақ бола гөр! Ҳақ адам менен наҳақ адамның тәғдирин бирдей қылып, ҳақ адамды наҳақ адамға қосып өлтириўден аўлақ болғайсаң! Пүткил дүньяны Ҳүким етиўши әдил болыўы керек емес пе?
26Жаратқан Ийе оған:
– Егер Мен Содомнан елиў ҳақ адам тапсам, олар ушын сол жерди кеширемен, – деп жуўап берди.
27Сонда Ибрайым даўам етип:
– Мен топырақ ҳәм күл сыяқлы биреў болсам да, жүрек етип, О Ийем, Саған сөйлеп атырман: 28егер ҳақ адам елиў болыўы ушын бесеўи жетпесе, сол бесеўи ушын Сен пүткил қаланы жоқ етесең бе? – деди.
– Яқ, егер ол жерден қырқ бес ҳақ адам тапсам, оны жоқ етпеймен, – деди Қудай.
29Ибрайым және:
– Егер ол жерден қырқ ҳақ адам табылса ше? – деди.
Ол:
– Егер қырқ ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
30Сонда Ибрайым:
– О, Ийем, айтатуғын сөзиме ашыўланба, бирақ егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса ше? – деди.
Қудай Ибрайымға:
– Егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
31Ибрайым тағы:
– О, Ийем, мен Саған сөйлеўге жүрек еттим: ал егер ол жерде тек жигирма ҳақ адам табылса ше? – деди.
Ол Ибрайымға:
– Жигирмасы ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деди.
32Соңынан Ибрайым былай деди:
– О, Ийем, мен және бир мәртебе сөйлесем ашыўланба: егер ол жерден тек ғана он адам табылса ше?
Ол:
– Он адам ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деп жуўап берди.
33Жаратқан Ийе Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, сол жерден кетти. Ибрайым да өз үйине қайтты.

 

19

 

Содом ҳәм Гомора қалаларының қыйратылыўы

 

1Кеш болғанда, еки периште Содомға келди. Лут қала дәрўазасының жанында отырған еди. Лут оларды көргенде, күтип алыў ушын орнынан турды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, тәжим етти ҳәм оларға:
2– Мырзалар, қулыңыздың үйине кириңлер. Аяқларыңызды жуўыңлар ҳәм бизикинде қонып қалыңлар. Соңынан ерте азанда турып, жолыңызды даўам етерсиз, – деди.
Олар:
– Яқ, бизлер түнди қала майданында өткиземиз, – деди.
3Бирақ Лут жалынып қоймағанлықтан, олар Лутқа ерип, оның үйине келди. Лут олар ушын аўқат таярлады ҳәм ашытқысыз нан писирди. Олар аўқатланды.
4Олар еле жатып үлгермей атырып, Содом қаласының ҳәмме тәрепинен барлық еркеклер, жаслардан баслап ғаррыларға шекем Луттың үйин қоршап алды. 5Олар Лутты шақырып:
– Бүгин кеште саған келген адамлар қай жерде? Оларды бизлерге шығарып бер, олар менен жатайық, – деди.
6Лут сыртқа шығып, арқасынан қапыны жапты да, 7оларға былай деди:
– Туўысқанлар, бундай зулымлықты ислемеңлер! 8Минекей, мениң еркек қолы тиймеген еки қызым бар. Мен оларды сизлерге шығарып берейин. Оларға қәлегениңизди ислеңлер. Тек бул адамларға қол тийгизбеңлер, өйткени олар үйимнен баспана тапқан қонағым-ғо!
9Сонда олар:
– Ҳәй, жолды босат! Өзиң келгинди болып, қазылық та қылмақшымысаң. Бизлер енди саған бетерин көрсетемиз, – деди де, Лутты бар күши менен ийтерип, қапыны сындырмақшы болды.
10Бирақ иштеги адамлар қолларын созып, Лутты үйдиң ишине киргизди де, қапыны жаўып таслады. 11Ал есик алдында турған адамлардың үлкени-кишисин соқыр етип таслады. Олар есикти де таба алмай қалды.
12Соңынан иштеги еки адам Лутқа былай деди:
– Бул жерде басқа кимиң бар? Күйеў балаларың, улларың, қызларың ҳәм қалада өзиңе дерек ким болса да, ҳәммесин бул жерден алып шық. 13Себеби бизлер бул жерди жоқ етпекшимиз. Бул халық үстинен Жаратқан Ийеге жетип барған шағымлар жүдә көп. Ол бизлерди қаланы жоқ қылыў ушын жиберди.
14Лут сыртқа шықты да, болажақ күйеў балаларына барып:
– Дәрҳал бул жерден кетиңлер! Өйткени Жаратқан Ийе бул қаланы жоқ етпекши, – деди.
Деген менен, олар Лутты ҳәзиллесип атыр деп ойлады.
15Таң атқанда, периштелер Лутты асықтырып:
– Ҳаялыңды ҳәм еки қызыңды ал да, тез бул жерден кет! Болмаса, қала жазаланғанда, сен де бирге өлип кетесең! – деди.
16Ал Лут еле екиленип турған еди. Лутқа Жаратқан Ийениң мийрими түскенликтен, периштелердиң өзлери Луттың, оның ҳаялының ҳәм қызларының қолларынан услап, қаладан шығарды.
17Оларды сыртқа шығарыўдан-ақ, периштелердиң бири Лутқа:
– Кейниңе бурылып қарама. Бул тегисликлердиң ҳеш бир жеринде иркилмей таўға қаш, болмаса өлесең, – деди.
18Бирақ Лут оларға:
– Яқ, мырзалар! 19Мине, қулыңыз болған мен сизлердиң мийримиңизге еристим ҳәм жанымды қутқарып, үлкен жақсылық қылдыңыз. Бирақ мен таўға жете алмайман, себеби апатқа ушырап, өлип қаламан. 20Әне, қашып жете алғандай, кишкене бир қала бар екен. Ол кишкене қала-ғо! Мен жанымды сақлап қалыўым ушын, сол қалаға қашып бара қояйын, – деп өтинди.
21Олардың бири Лутқа:
– Яқшы, сениң бул тилегиңди де қабыл етемен. Сен айтқан сол қаланы қыйратпайман. 22Тез сол жерге қашып бар! Өйткени сен сол жерге барып жетпегениңше, Мен ҳеш нәрсе ислей алмайман, – деди.
Сол себептен бул қала Соар[25] деп аталады.
23Лут Соарға жетип келгенде, әлле қашан қуяш шыққан еди. 24Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомора үстине аспаннан отлы күкирт жаўдырды. 25Ол бул қалаларды, пүткил тегисликти, ол жерде жасаўшылардың ҳәммесин ҳәм жердеги барлық өсимликлерди жоқ етти. 26Бирақ Луттың ҳаялы артына бурылып қарап, дузға айланып қатып қалды.
27Ибрайым азанда ерте турып, бурын өзи Жаратқан Ийениң алдында турған жерге келди. 28Ол Содом менен Гомораға ҳәм пүткил тегисликке қарап, жердиң ошақ сыяқлы түтеп турғанын көрди.
29Солай етип, Қудай тегисликтеги қалаларды қыйратқан ўақытта Ибрайымды еске алды ҳәм Лут жасаған қалаларды қыйратқанда, Лутты аман сақлап қалды.

 

Лут ҳәм оның қызлары

 

30Лут Соарда қалыўдан қорққанлықтан, еки қызы менен бирге қаладан шығып, таўға кетти. Ол еки қызы менен бирге бир үңгирде жасай баслады.
31Бир күни үлкен қызы кишкенесине былай деди:
– Әкемиз қартайып қалды. Бул дүньяның әдети бойынша, бизлерге үйленетуғын бул дөгеректе бирде бир еркек жоқ. 32Кел, әкемизге шарап ишкизип, оның менен жатайық ҳәм әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық.
33Олар сол күни түнде әкесине шарап ишкизди ҳәм үлкен қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
34Келеси күни үлкен қызы кишкенесине:
– Өткен түнде мен әкем менен жаттым. Оған бүгин түнде де шарап ишкизейик ҳәм сен барып, әкемиз бенен жат. Солай етип, әкемиз арқалы нәсилимизди жалғастырайық, – деди.
35Сол күни түнде олар әкесине және шарап ишкизди ҳәм кишкене қызы әкесиниң жанына кирип, оның менен жатты. Бирақ әкеси қызының қашан жатып, қашан турғанын билмеди.
36Солай етип, Луттың еки қызы да әкесинен ҳәмиледар болды. 37Үлкен қызы ул туўып, оған Моаб деп ат қойды. Ол – ҳәзирги моаб халқының бабасы. 38Кишкене қызы да ул туўып, оған Бен-Аммий деп ат қойды. Ол – ҳәзирги аммон халқының бабасы.

 

20

 

Ибрайым ҳәм Абимелех патша

 

1Ибрайым Мамреден Негеб жерине көшип, Қадеш ҳәм Шур аралығында жасады. Соңынан бир қанша ўақыт Герарда қалды. 2Ол ҳаялы Сараны: «Ол мениң қарындасым», – деди. Сонлықтан Герар патшасы Абимелех адам жиберип, Сараны алдыртты. 3Бирақ Қудай бир күни түнде Абимелехтиң түсине енип:
– Сен бул ҳаялды алғаның ушын өлесең, себеби оның күйеўи бар, – деди.
4Абимелех еле Сараға жақынлаған жоқ еди. Ол:
– О, Ийем! Сен айыпсыз адамларды жоқ етпекшимисең? 5Ибрайымның өзи маған оны қарындасым деп айтты-ғо. Ҳаялы да: «Ол мениң әжағам», – деген еди. Бул исте мениң ҳүжданым таза, қолларым да ҳадал, – деди.
6Сонда Қудай түсинде оған былай деди: «Аўа, сениң ҳүжданыңның таза екенин билемен. Сонлықтан сени Маған қарсы гүна ислеўден сақлап, ҳаялға қол тийгизиўиңе жол қоймадым. 7Ал енди ҳаялды күйеўине қайтып бер. Өйткени ол – пайғамбар. Ол сен ушын дуўа етеди, сонда сен өлмейсең. Бирақ билип қой: егер сен ҳаялды күйеўине қайтарып бермесең, онда өзиң де, барлық адамларың да өлесизлер».
8Абимелех азанда ерте турды да, өзиниң барлық хызметкерлерин жыйнап, оларға болған ўақыяны айтып берди. Олар қатты қорқып кетти. 9Абимелех Ибрайымды шақыртып, оған былай деди:
– Сен неге бизлерге булай иследиң? Мени ҳәм мениң патшалығымды бундай үлкен гүнаға батырғандай, мен саған не жаманлық қылған едим? Сен маған ислеўге болмайтуғын ислерди иследиң, – деди. 10Соңынан ол Ибрайымнан:
– Бул исти қандай мақсетте иследиң? – деп сорады. 11Ибрайым былай деп жуўап берди:
– Мен бул жерлерде адамлар ҳеш Қудайдан қорқпайды ҳәм ҳаялым ушын мени өлтириўи мүмкин деп ойладым. 12Ҳақыйқатында да, ол – мениң қарындасым. Бизлердиң әкемиз бир, аналарымыз басқа болғанлықтан, мен оған үйленген едим. 13Қудай маған әкемниң үйин қалдырып, еллерди гезиўди буйырғанда, мен өз ҳаялыма: «Маған жақсылық исле: қай жерге барсақ та, мени әжағам деп айт», – деп айтқан едим.
14Сонда Абимелех Ибрайымға қой, сыйыр, қул ҳәм шорыларды саўғаға берди. Ол Сараны да қайтарып берди ҳәм 15Ибрайымға былай деди:
– Мениң жерлерим сениң көз алдыңда: қай жерди қәлесең, сол жерде жаса. 16Ал Сараға былай деди: – Минекей, мен әжағаңа мың шекел гүмис берип атырман. Бул жаныңдағы адамлар алдында сениң намысыңның таза екенин көрсететуғын дәлил болады. Ҳәмме сениң айыпсыз екениңди билсин.
17Сонда Ибрайым Қудайға дуўа етти ҳәм Қудай Абимелехке, оның ҳаялына ҳәм шорыларына шыпа берди. Олар және туўатуғын болды. 18Себеби Ибрайымның ҳаялы Сара себепли Жаратқан Ийе Абимелехтиң үйиндеги барлық ҳаялларды бала туўмайтуғын етип таслаған еди.

 

21

 

Ысақтың туўылыўы

 

1Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады. 2Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди. 3Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ[26] деп ат қойды. 4Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди. 5Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.
6Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи». 7Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.

 

Ажар менен Исмайылдың қуўылыўы

 

8Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди. 9Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде, 10Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен теңдей мийрасхор болмасын», – деди.
11Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди. 12Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди:
– Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди. 13Бирақ шорыңның улынан да Мен бир халық шығараман, өйткени ол да сениң урпағың.
14Ертеңине таң азанда, Ибрайым нан ҳәм бир мес суў алды да, оларды Ажардың ийнине салды ҳәм оны баласы менен қосып шығарып жиберди. Ажар кетип баратырып, Беер-Шеба шөлинде адасып қалды.
15Местеги суў таўысылғанда, Ажар баласын бир путаның астында қалдырды да: 16«Баламның қалай өлетуғынын көрмейин», – деп арырақ кетти ҳәм бир оқ жетирим жерге барып отырып, дад салып жылай баслады.
17Қудай баланың жылағанын еситти ҳәм Оның бир периштеси Ажарға аспаннан даўыслап: «Ҳәй, Ажар, саған не болды? Қорқпа, Қудай балаңның жатырған жеринен оның жылағанын еситти. 18Бар да, баланы турғызып, оны қолынан жетеле. Мен оннан уллы халық жаратаман», – деди.
19Соңынан Қудай Ажардың көзин ашты ҳәм ол бир қудықты көрди. Ол барып, месин суўға толтырды да, баласына суў ишкизди.
20Солай етип, Қудай бала менен бирге болды. Ол өсип, шөлде жасады ҳәм мерген болды. 21Исмайыл Паран шөлинде жасап атырған ўақтында, анасы оған Мысырдан бир қызды ҳаяллыққа алып берди.

 

Ибрайым менен Абимелехтиң келисим дүзиўи

 

22Сол ўақытлары Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол Ибрайымға былай деди:
– Ҳәр бир исиңде Қудай сениң менен бирге. 23Сонлықтан сен мени, перзентлеримди ҳәм урпақларымды да алдамайман деп, Қудай алдында ант иш. Мен саған қандай жақсылық еткен болсам, сен де маған ҳәм өзиң келгинди болып жасап атырған елге сондай жақсылық ет.
24Ибрайым:
– Мен ант ишемен, – деди.
25Соңынан Ибрайым Абимелехке адамларының бир қудықты тартып алғаны ҳаққында айтып, шағым етти. 26Ал Абимелех оған:
– Мен буны кимниң ислегенин билмеймен. Сен маған ҳеш нәрсе айтпаған едиң. Мен бул ҳаққында ҳәзир еситип турман, – деди.
27Кейин Ибрайым Абимелехке қой ҳәм сыйырлар саўға етти ҳәм екеўи келисим дүзди. 28Ибрайым сүриўден жети урғашы қозыны айырып қойды. 29Абимелех оннан:
– Бул жети урғашы қозыны айырып қойыўыңның мәниси не? – деп сорады.
30Ибрайым оған:
– Бул қудықты мениң қаздырғанымның дәлили сыпатында, мына жети урғашы қозыны мениң қолымнан қабыл ет, – деди.
31Сөйтип сол жер Беер-Шеба[27] деп аталды, өйткени олар екеўи сол жерде ант ишискен еди. 32Беер-Шебада келисим дүзгеннен соң, Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол филистлердиң жерине қайтып кетти.
33Ибрайым Беер-Шебада бир тамариск[28] ағашын тикти ҳәм сол жерде мәңгилик Қудай Ийеге сыйынды. 34Ибрайым филистлердиң жеринде келгинди болып көп ўақыт жасады.

 

22

 

Ибрайымның сыналыўы

 

1Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған:
– Ибрайым! – деди.
Ибрайым:
– Ләббәй! – деди.
2Сонда Қудай оған:
– Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
3Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты. 4Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди. 5Ибрайым хызметшилерине:
– Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.
6Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти. 7Кетип баратырып, Ысақ әкесине:
– Аға! – деди.
– Ләббәй, улым, – деди Ибрайым.
Ысақ оннан:
– Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын қозы қәне? – деп сорады.
8Ибрайым:
– Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын қозыны Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди.
Сөйтип олар екеўи жолын даўам етти.
9Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды. 10Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды. 11Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап:
– Ибрайым! Ибрайым! – деди.
– Ләббәй, – деди ол.
12Периште оған:
– Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
13Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди. 14Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире[29] деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийе таўында өзи жеткизеди», – деп айтылады.
15Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап 16былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың, 17сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың душпанларыңның қалаларына ийелик етеди. 18Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
19Соннан кейин, Ибрайым хызметшилериниң жанына қайтып келди. Олар бирликте Беер-Шебаға қарай кетти. Ибрайым сол жерде жасап қалды.

 

Нахордың урпақлары

 

20Бир қанша ўақытлардан соң, Ибрайымға: «Туўысқаның Нахорға ҳаялы Милка уллар туўып берди», – деген хабар жетип келди. 21Милка туңғышы Усты, оның иниси Бузды, Арамның әкеси Кемуелди, 22Кеседти, Хазоны, Пилдашты, Идлафты ҳәм Бетуелди дүньяға келтирди. 23Ал Бетуелден Ребекка туўылды. Усы сегиз улды Ибрайымның туўысқаны Нахорға Милка туўып берди. 24Нахордың Реума деген тоқалы да оған Тебах, Гахам, Тахаш ҳәм Мааха деген балаларды туўып берди.

 

23

 

Сараның қайтыс болыўы

 

1Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди. 2Ол Кенаан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты. 3Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хеттлерге:
4– Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, – деди.
5Хеттлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
6– Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сен бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
7Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хеттлерге тәжим етип 8былай деди:
– Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер. 9Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
10Хетт халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хеттлерге еситтирип, Ибрайымға:
11– Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
12Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм 13ҳәммеге еситтирип, Эфронға:
– Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, – деди.
14Сонда Эфрон Ибрайымға:
15– Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз гүмис шекел[30]. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
16Ибрайым ыразы болып, Эфрон хеттлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
17Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер 18Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хеттлер гүўа болды.
19Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Кенаан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. 20Солай етип, хеттлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.

 

24

 

Ысақтың үйлениўи

 

1Ибрайым қартайып, бираз жасқа барып қалған еди. Жаратқан Ийе оны ҳәр тәреплеме жарылқап қойған еди. 2Ибрайым үйиндеги ҳәмме нәрсени басқаратуғын бас хызметшисине былай деди:
– Қолыңды санымның астына қойып[31], 3аспан ҳәм жердиң Қудайы болған Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиўиңди қәлеймен: мен араларында жасап атырған кенаан халқынан улыма қыз алма. 4Ал улым Ысаққа қыз алыў ушын мениң елиме, ағайин-туўғанларыма бар.
5Хызметши Ибрайымнан:
– Егер қыз мениң менен бирге бул елге келиўди қәлемесе ше? Онда улыңызды өзиңиз шығып кеткен елге апарыўым керек пе? – деп сорады.
6Ибрайым оған былай деди:
– Яқ, улымды ҳасла ол жерге апара гөрме! 7Мени өз әкемниң үйинен, туўылған елимнен алып шығып: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен аспанның Қудай Ийеси сениң алдыңнан Өз периштесин жибереди ҳәм сен сол жерден улыма қыз алып келесең. 8Егер қыз сениң менен бирге келиўди қәлемесе, онда сен маған берген бул антыңнан азат боласаң. Тек улымды ол жерге апара гөрме!
9Солай етип, хызметши хожайыны Ибрайымның санының астына қолын қойып, айтылғанды ислеўге ант ишти.
10Соңынан хызметши хожайынының түйелеринен онын ҳәм ҳәр қыйлы қымбат баҳалы затларынан алып, жүрип кетти. Ол Арам-Наҳарайымдағы[32] Нахор жасайтуғын қалаға жетип келди. 11Хызметши түйелерин қала сыртындағы қудықтың қасына шөктирди. Бул ҳаял-қызлар суў алыў ушын шығатуғын кешки пайыт еди.
12Сонда хызметши былай деп дуўа етти: «О, Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Бүгин маған әўмет берип, хожайыным Ибрайымға жақсылық ислей гөр! 13Мине, мен қудық басында турман, қаланың қызлары суў алыўға киятыр. 14Мен қайсы қызға: „Гүзеңди еңкейт, мен суў ишип алайын“, – дегенимде, ол: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – десе, онда сол қыз Сениң қулың Ысақ ушын таңлаған қызың болсын. Хожайыныма жақсылық ислегениңди соннан билейин».
15Хызметши еле дуўасын тамамламай атырып-ақ, ийнине гүзесин көтерген Ребекка келип қалды. Ол Ибрайымның иниси Нахор менен ҳаялы Милканың улы Бетуелдиң қызы еди. 16Ребекка оғада сулыў, еркек қолы тиймеген қыз еди. Ол қудыққа қарай төмен түсти де, гүзесин суўға толтырып, жоқары шықты. 17Ибрайымның хызметшиси қыздың алдына жуўырып шығып:
– Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер, – деди.
18– Ишиңиз, мырза, – деп қыз дәрҳал гүзесин ийнинен түсирди де, оған ишиўге суў берди. 19Қыз оған ишкизип болып:
– Мен түйелериңизди де шөли қанғанша суўғарып берейин, – деди. 20Соңынан қыз гүзесиндеги қалған суўды наўаға қуйып босатты да, және суў тартып шығарыў ушын қудыққа қарай жуўырып кетти. Солай етип, ол хызметшиниң барлық түйелерин суўғарды. 21Ал хызметши болса, Жаратқан Ийениң жолын әўметли қылған ямаса қылмағанын билиў ушын, қызға дыққат қойып, үнсиз қарап турды.
22Түйелери суў ишип болғаннан соң, ол қызға аўырлығы ярым шекел шығатуғын алтын әребек ҳәм он шекел шығатуғын еки алтын билезик берди. 23Соңынан ол қыздан:
– Айтшы, кимниң қызысаң? Бизлердиң түнеп шығыўымыз ушын әкеңниң үйинен орын табыла ма? – деп сорады.
24Қыз оған:
– Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман. 25Бизде сабан да, жем де көп, түнеў ушын орын да бар, – деп жуўап берди.
26Сонда хызметши тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды да: 27«Өз мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын хожайынымнан аямаған Ибрайымның Қудайы – Жаратқан Ийеге алғыслар болсын. Ол мени туўры хожайынымның ағайин-туўғанларының үйине баслап келди», – деди.
28Қыз анасының үйине жуўырып барып, болған ўақыя ҳаққында айтып берди.
29Ребекканың Лабан деген әжағасы бар еди. Ол қудық басында турған адамға қарай жуўырып кетти. 30Лабан қарындасының мурнындағы әребекти, қолларындағы билезиклерди көрип, Ребеккадан ол адамның өзине не айтқанын еситкенде, дәрҳал сол адамның жанына кеткен еди. Ал сол адам қудық басында, түйелердиң жанында турған еди. 31Лабан оған:
– Үйге жүриң, О, Жаратқан Ийе жарылқаған бенде! Неге сыртта турыпсыз? Мен өзиңиз ушын бөлме, түйелериңиз ушын орын таярлап қойдым, – деди.
32Солай етип, хызметши үйге кирди. Лабан түйелердиң жүклерин түсиртип, алдына сабан ҳәм жем салдырды. Хызметшиниң ҳәм оның жанындағылардың аяқларын жуўыў ушын суў әкелдирди. 33Алдыларына аўқат қойылғанда, хызметши:
– Мен не ушын келгенимди айтпай турып, аўқат жемеймен, – деди.
– Мейли, айтың, – деди олар.
34Сонда хызметши былай деди:
– Мен Ибрайымның хызметшисимен. 35Жаратқан Ийе хожайынымды мол-мол етип жарылқап, оны байытты. Оған қой ҳәм сыйырлар, гүмис ҳәм алтынлар, қул ҳәм шорылар, түйе ҳәм ешеклер берди. 36Хожайынымның ҳаялы Сара қартайған шағында оған ул туўып берди. Хожайыным өзиниң барлық мал-мүлкин улына тапсырды. 37Хожайыным маған ант иштирип: «Улыма мен жеринде жасап атырған кенаан халқының қызларынан емес, 38ал мениң ата журтыма, ағайин-туўғанларыма барып, сол жерден қыз алып бересең», – деди. 39Мен хожайынымнан: «Егер ол қыз мениң менен келиўди қәлемесе ше?» – деп сорадым. 40Сонда ол маған: «Мен Жаратқан Ийениң жолы менен жүрмен. Ол Өз периштесин сениң менен бирге жиберип, жолыңды береди. Сен ағайин-туўғанларымнан, ата журтымнан улыма қыз алып кел. 41Егер сен ағайин-туўғанларыма барғаныңда, олар саған қызын бермесе, онда сен ишкен антыңнан азат боласаң, аўа, сен усындай жағдайда ишкен антыңнан азат боласаң», – деди.
42Солай етип, мен бүгин қудық басына келгенимде: «О, Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Өтинемен, жолымды бере гөр! 43Ҳәзир мен қудық басында турман. Егер мен суў алыўға келген қызлардың бирине: „Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер“, – десем, 44ол маған: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – деп айтса, Жаратқан Ийениң хожайынымның улы ушын таңлаған қызы сол болсын», – деп дуўа еттим.
45Мен еле ишимнен дуўа етип турғанымда, ийнине гүзесин көтерип, Ребекка сыртқа шықты. Ол төмен түсип, қудықтан суў алды. Мен оған: «Өтиниш, маған ишиўге суў бер», – дедим.
46Ребекка дәрҳал ийнинен гүзесин түсирип: «Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман», – деди. Солай етип, мен суў иштим, ол түйелеримди суўғарды.
47Мен оннан: «Кимниң қызысаң?» – деп сорадым.
Ол маған: «Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман», – деди.
Сонда мен оның мурнына әребек, қолларына билезик тақтым. 48Соң тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйындым. Хожайынымның улына инисиниң ақлық қызын алыў ушын маған туўры жолды көрсеткен хожайыным Ибрайымның Қудайы – Жаратқан Ийеге алғыслар айттым.
49Енди сизлер хожайыныма жақсылық ислеп, садықлық көрсетпекши болсаңыз, маған айтыңлар, егер қәлемесеңиз, оны да айтыңлар, мен не ислейтуғынымды шешейин.
50Лабан менен Бетуел былай деп жуўап берди:
– Бул – Жаратқан Ийениң иси. Бизлер саған жақсы-жаман, ҳеш нәрсе айта алмаймыз. 51Мине, Ребекка, оны алып кете бер. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ол сениң хожайыныңның улына ҳаял болсын.
52Ибрайымның хызметшиси буны еситкенде, жерге дейин ийилип, Жаратқан Ийеге сыйынды. 53Соңынан хызметши гүмис ҳәм алтын затларды, кийимлерди шығарып, Ребеккаға берди, және де, оның әжағасы менен анасына да қымбат баҳалы саўғалар берди. 54Соңынан хызметши ҳәм оның жанындағылар ишип-жеди ҳәм сол жерде қонып қалды.
Ертеңине азанда олар уйқыдан турғанда, хызметши:
– Енди рухсат болса, хожайыныма қайтаман, – деди.
55Бирақ Ребекканың әжағасы ҳәм анасы:
– Қыз онлаған күн бизлер менен болсын, кейин жолға шығарсызлар, – деди.
56Ал хызметши буған:
– Жаратқан Ийе жолымды берип тур екен, мени ирикпеңлер. Маған хожайыныма қайтыўға рухсат бериңлер, – деди.
57Сонда олар:
– Қызды шақырып сорайық, өзи не дер екен? – деди. 58Сөйтип олар Ребекканы шақырып, оннан:
– Мына адам менен кетесең бе? – деп сорады.
– Кетемен, – деди ол.
59Солай етип, олар Ребекканы, оның тәрбияшысын, Ибрайымның хызметшиси менен оның адамларын шығарып салды. 60Олар Ребеккаға пәтия берип былай деди:

 

 

«Қарындасым, анасы бол мың-мыңлаған перзентлердиң,
Үрим-путақларың ийелесин душпан қалаларын».

 

 

61Соңынан Ребекка ҳәм оның жас шорылары таярланып, түйелерге минди ҳәм Ибрайымның хызметшисиниң изине ерди. Солай етип, хызметши Ребекканы алып, жолға шықты.
62Сол ўақытта Ысақ Беер-Лахай-Роийден келген еди, себеби ол Негеб жеринде жасап атыр еди. 63Кеште Ысақ ойланыў ушын атызға шықты ҳәм ол басын көтерип қарағанда, жақынлап киятырған түйелерди көрди. 64Ребекка Ысақты көрип, түйеден түсти ҳәм 65хызметшиден:
– Бизлерге қарай атыз бойлап киятырған ана адам ким? – деп сорады.
– Бул – мениң хожайыным, – деп жуўап берди хызметши.
Сонда Ребекка жаўлығын алып, жүзин жапты. 66Хызметши Ысаққа ислеген ислериниң ҳәммесин айтып берди. 67Ысақ Ребекканы анасының шатырына алып келди ҳәм оған үйленди. Солай етип, Ребекка Ысақтың ҳаялы болды. Ысақ Ребекканы сүйип қалды. Усы тәризде ол анасы қайтыс болғаннан кейинги қайғысына жубаныш тапты.

 

25

 

Ибрайымның өлими

 

1Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди. 2Ол Ибрайымға Зимран, Йоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди. 3Йоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты. 4Мидяннан Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа деген уллар туўылды. Булардың ҳәммеси Қатураның уллары еди.
5Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды. 6Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди. 7Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди. 8Ол мазмунлы өмир сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. 9Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хетт халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды. 10Ибрайым бул атызды хеттлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды. 11Ибрайымның өлиминен соң, Қудай оның улы Ысақты жарылқады. Ысақ Беер-Лахай-Роийдиң жанында жасайтуғын еди.

 

Исмайылдың урпақлары

 

12Сараның шорысы, мысырлы Ажардан туўылған Ибрайымның улы Исмайылдың шежиреси мынадай: 13Исмайылдың улларының туўылыў тәртиби бойынша атлары мынадай: туңғыш улы Небайот, соң Кедар, Адбеел, Мибсам. 14Мишма, Дума, Масса, 15Хадад, Тема, Етур, Нафиш ҳәм Кедма. 16Исмайылдың уллары болған булар – он еки урыўдың көсеми болды. Усы он еки урыў ҳәм олардың аўыллары менен мәкан басқан жерлери олардың атлары менен аталды. 17Исмайыл бир жүз отыз жети жасында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. 18Исмайылдың урпақлары Хаўила ҳәм Шур аралығындағы жерлерге мәкан басқан еди. Шур Ассирияға баратуғын жолда, Мысырға жақын жайласқан еди. Олар туўысқанларының шығыс тәрепинде жасады[33].

 

Яқып пенен Эсаўдың туўылыўы

 

19Ибрайымның улы Ысақтың өмир тарийхы мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды. 20Ысақ Ребеккаға үйленгенде қырқ жаста еди. Ребекка Паддан-Арамнан[34] болған арамлы Бетуелдиң қызы, арамлы Лабанның қарындасы еди. 21Ысақ ҳаялы ушын Жаратқан Ийеге дуўа етти, өйткени ҳаялы перзентсиз еди. Жаратқан Ийе Ысақтың дуўасына жуўап берди ҳәм Ребекка ҳәмиледар болды. 22Оның қурсағындағы балалар бир-бири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка: «Неге бундай болып атыр?» – деп Жаратқан Ийеден сорады. 23Жаратқан Ийе оған былай деди:

 

 

«Сениң қурсағыңда еки халық бар,
Сеннен еки түрли халық бөлинип шығар,
Бири екиншисинен күшлирек болып,
Үлкени кишкенесине хызмет етер».

 

 

24Ребекканың туўыў ўақты келгенде, қурсағында егиз уллардың бар екени мәлим болды. 25Биринши туўылған улы қып-қызыл болып, денеси тон сыяқлы жүнли еди. Сонлықтан оның атын Эсаў[35] деп қойды. 26Кейин оның сыңары туўылды. Ол Эсаўдың табанын қолы менен услап шыққан еди. Сонлықтан оны Яқып[36] деп атады. Олар туўылғанда, Ысақ алпыс жаста еди.

 

Эсаўдың Яқыпқа туңғышлығын сатыўы

 

27Балалар өсип, ержетти. Эсаў дүзди сүйетуғын шебер аңшы, ал Яқып үйден шықпайтуғын тыныш адам болды. 28Ысақ Эсаўды жақсы көретуғын еди, себеби оның аўлап әкелген аңларының гөшин жеўди унататуғын еди. Ал Ребекка Яқыпты жақсы көретуғын еди.
29Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди. 30Ол Яқыпқа:
– Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом[37] деп те аталды.
31Яқып оған:
– Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди.
32Эсаў оған:
– Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.
33Яқып:
– Дәслеп маған ант бер! – деди.
Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.
34Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти.
Солай етип, Эсаў өз туңғышлығының қәдирине жетпеди.

 

26

 

Ысақ ҳәм Абимелех патша

 

1Елде Ибрайымның дәўиринде болған ашлықтан басқа бир ашлық жүз берди. Ысақ Герарға, филистлердиң патшасы Абимелехке кетти. 2Жаратқан Ийе Ысаққа көринип былай деди: «Мысырға барма, Мен айтатуғын жерде жаса. 3Сол жерде келгинди болып жасай бер. Мен сениң менен бирге болып, сени жарылқайман. Мине, усы жерлердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен. Әкең Ибрайымға берген антымды орынлайман. 4Сениң урпақларыңды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтип, усы жерлердиң ҳәммесин оларға беремен. Жер жүзиниң барлық халықлары сениң урпақларың арқалы жарылқанады. 5Өйткени Ибрайым Маған бойсынып, Мениң тапсырмаларымды, буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм көрсетпелеримди орынлады».
6Солай етип, Ысақ Герарда орналасып қалды. 7Сол жердиң халқы оннан ҳаялы ҳаққында сорағанда, ол ҳаялын қарындасым деп айтты. Себеби ол: «Ребекка гөззал, сонлықтан бул жердиң адамлары мени ол себепли өлтиреди», – деп ойлап, оны ҳаялым деп айтыўға қорқты. 8Ысақ сол жерде жасап атырғанына көп болғанда, филистлердиң патшасы Абимелех терезеден қарап, Ысақтың Ребекканы аймалап атырғанын көрди. 9Сонда Абимелех Ысақты шақырып алып:
– Ол сениң ҳаялың екен-ғо. Неге оны қарындасым дедиң? – деп сорады.
Ысақ оған жуўап берип:
– Өйткени, ол себепли мени өлтиреди деп ойладым, – деди.
10Абимелех оған:
– Неге бизлерге булай иследиң? Халық арасынан биреўдиң ҳаялыңа жақынласып қойыўы мүмкин еди-ғо. Сондай болғанда, сен бизлерди гүнаға батырар едиң! – деди. 11Соңынан Абимелех пүткил халыққа: «Ким де ким бул адамға ямаса оның ҳаялына қол тийгизсе, ол сөзсиз өлтириледи», – деди.

 

Ысақтың жарылқаныўы

 

12Ысақ сол жерге туқым септи ҳәм сол жылы жүз есе артық өним алды. Себеби оны Жаратқан Ийе жарылқаған еди. 13Ысақ байып кетти, байлығы кем-кемнен көбейип, ол жүдә бай адамға айланды. 14Оның ири ҳәм майда маллары, көп хызметшилери болғанлықтан, филистлер оны қызғана баслады. 15Әкеси Ибрайымның тири ўақтында оның хызметшилери қазған қудықлардың ҳәммесин филистлер топырақ пенен көмип таслады.
16Сонда Абимелех Ысаққа:
– Бизиң жеримизден кет, өйткени сен бизлерден гөре анағурлым күшли болып кеттиң, – деди.
17Соннан кейин, Ысақ ол жерден кетип, Герар ойпатлығына шатырларын тикти ҳәм сол жерге қоныс басты. 18Әкеси Ибрайымның тири ўақтында қазылып, оның өлиминен соң филистлер тәрепинен көмип тасланған қудықларды Ысақ қайтадан қаздырып, оларға әкеси қойған бурынғы атларды қойды.
19Ысақтың хызметшилери ойпатлықта қудық қазып атырып, бир булақ тапты. 20Герар шопанлары: «Бул суў бизлердики», – деп Ысақтың шопанлары менен жәнжеллести. Олар өзи менен таласқаны ушын Ысақ қудықты Эсек[38] деп атады.
21Соңынан олар басқа бир қудық қазды. Бирақ бул қудық себепли де жәнжел шығып, Ысақ оны Ситна[39] деп атады. 22Ысақ ол жерден көшип кетип, және басқа бир қудық қаздырды. Бул қудық себепли жәнжел шықпағанлықтан, Ысақ оны Рехобот[40] деп атап: «Жаратқан Ийе ақыры бизлерге кең жер берди. Енди бизлер бул жерде өсип-өнемиз», – деди.
23Ысақ ол жерден Беер-Шебаға көшип кетти. 24Жаратқан Ийе сол күни түнде оған көринип: «Мен әкең Ибрайымның Қудайыман. Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Мен сени жарылқайман ҳәм қулым Ибрайым ушын урпағыңды көбейтемен», – деди. 25Ысақ сол жерде қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийеге сыйынды. Ол шатырларын сол жерге тикти ҳәм оның хызметшилери бир қудық қазды.

 

Ысақ пенен Абимелех арасындағы келисимниң дүзилиўи

 

26Абимелех, оның кеңесгөйи Ахуззат ҳәм сәркәрдасы Пихол Герардан Ысаққа келди. 27Ысақ оларға:
– Неге мениң алдыма келдиңлер? Сизлер мени жек көрип, елиңизден қуўып жиберген едиңиз-ғо! – деди.
28Олар:
– Жаратқан Ийениң сениң менен бирге екенин бизлер анық билдик. Сонлықтан бизлер сениң менен өз ара ант ишип, келисим дүзиўди ойладық.
29Бизлер саған қол тийгизбей, тек жақсылық етип, сени тынышлық пенен жибергенимиз сыяқлы, сен де бизлерге жаманлық ислемеўиң ҳаққында келисим дүзейик. Сен енди Жаратқан Ийе тәрепинен жарылқанған адамсаң, – деди.
30Ысақ олар ушын зыяпат берди ҳәм олар ишип-жеди. 31Ертеңине таң азанда турып, олар бир-бирине ант берди. Соңынан Ысақ оларды шығарып салды ҳәм олар Ысақтың алдынан аман-есен кетти.
32Усы күни Ысақтың хызметшилери келип: «Бизлер суў таптық», – деп өзлери қазған қудық ҳаққында оған хабарлады. 33Ысақ ол қудықтың атын Шеба[41] деп атады. Сол себепли ол қаланың аты бүгинги күнге шекем Беер-Шеба деп аталады.

 

Эсаўдың ҳаяллары

 

34Эсаў қырқ жасқа толғанда, хетт халқынан болған Беерийдиң қызы Яҳудитке ҳәм хетт халқынан болған Элонның қызы Басематқа үйленди. 35Бул ҳаяллар Ысақ пенен Ребекканың басына көп қайғы салды.

 

27

 

Ысақтың Яқыпқа пәтия бериўи

 

1Ысақ қартайып, көзи көрмей қалды. Ол үлкен улы Эсаўды шақырып алып, оған:
– Улым! – деди.
– Ләббәй! – деп жуўап берди Эсаў.
2Ысақ оған былай деди:
– Мине, мен қартайып қалдым, қашан өлетуғынымды билмеймен. 3Енди сен қуралларыңды: садақ ҳәм оқларыңды ал да, дүзге кетип, мен ушын бир аң аўлап кел. 4Кейин мен жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлап, маған алып кел. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған пәтия берейин.
5Ысақ улы Эсаўға бул сөзлерди айтып атырғанда, буны Ребекка еситип турған еди. Эсаў аң аўлап әкелиў ушын дүзге кеткенде, 6Ребекка улы Яқыпқа былай деди:
– Мен әкеңниң әжағаң Эсаўға айтқан гәпин еситип қалдым. Әкең оған: 7«Маған бир аң аўлап әкелип, мазалы аўқат таярла. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған Жаратқан Ийе алдында пәтия берейин», – деди. 8Улым, енди мени дыққат пенен тыңлап алып, айтқанларымды исле: 9сүриўге барып, ол жерден маған еки ылақты сайлап әкел. Мен олардан әкең жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлайын. 10Соңынан сен оны жеўи ушын әкеңе апарасаң. Сонда әкең өлмесинен бурын саған пәтиясын береди. 11Яқып анасы Ребеккаға:
– Бирақ әжағам Эсаўдың денесин жүн басқан, ал мениң денемде жүн жоқ. 12Егер әкем мени сыйпалап көрсе не қыламан? Оны алдап атырғанымды билип қойса, пәтия орнына ғарғыс аламан-ғо, – деди.
13Анасы оған:
– Балам, саған келетуғын ғарғыс маған келсин. Сен мениң гәпиме кирип, ылақларды алып кел! – деди.
14Сонда Яқып барып, ылақларды анасына әкелип берди. Анасы олардан Ысақ жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлады. 15Соңынан Ребекка үлкен улы Эсаўдың үйдеги ең жақсы кийимлерин алып, киши улы Яқыпқа кийгизди. 16Оның қолларын ҳәм мойнының жүнсиз жерлерин ылақлардың териси менен орады. 17Кейин өзи таярлаған мазалы аўқат пенен нанды улы Яқыптың қолына берди.
18Солай етип, Яқып әкесиниң жанына келип:
– Аға! – деди.
Әкеси оған:
– Ләббәй, улымның қайсы бирисең? – деди.
19Яқып әкесине:
– Мен сениң туңғыш улың Эсаўман. Мен сениң айтқаныңды иследим. Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Сөйтип, маған пәтияңды бер, – деди.
20Ысақ улынан:
– Қалайынша бунша тез таптың, улым? – деп сорады.
Яқып әкесине:
– Сениң Қудайың болған Жаратқан Ийе мениң жолымды берди, – деп жуўап берди.
21Сонда Ысақ Яқыпқа:
– Жақынырақ кел, улым. Сен расында да, улым Эсаўсаң ба ямаса ол емессең бе, соны билиў ушын сени бир сыйпалап көрейин, – деди.
22Яқып әкеси Ысаққа жақынлады. Әкеси оны сыйпалап көрип: «Даўысы – Яқыптың даўысы, бирақ қоллары – Эсаўдың қоллары», – деп сөйленди. 23Яқыптың қоллары әжағасы Эсаўдың қолларындай жүнли болғанлығы себепли, Ысақ оны танымады. Сонлықтан ол пәтиясын бермекши болып атырып, 24және оннан:
– Сен расында да, улым Эсаўмысаң? – деп сорады.
– Аўа, Эсаўман, – деп жуўап берди Яқып.
25Сонда Ысақ оған:
– Улым өзиң әкелген аңның гөшин алып кел. Мен оны жеп, саған пәтиямды берейин, – деди.
Яқып дәслеп аўқатты, кейин шарапты әкелип, әкесине берди. Әкеси аўқаттан жеп, шараптан ишти. 26Соңынан Ысақ оған:
– Жақынырақ келип, мени сүй, улым! – деди.
27Яқып жақынырақ барып, әкесин сүйди. Ысақ оның кийимлеринен Эсаўдың ийисин сезди ҳәм Яқыпқа пәтиясын берип, былай деди:

 

 

«Мине, улымның ийиси,
Мегзер Жаратқан Ийе жарылқаған дала ийисине.
28Берсин Қудай саған аспан шығын,
Ҳәм жердиң өнимдар топырағын,
Мол ғәлле ҳәм жүзим суўын.
29Халықлар саған хызмет етсин,
Миллетлер алдыңда бас ийсин.
Бийлик ет туўысқанларыңның үстинен,
Қаналасларың алдыңда бас ийсин.
Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын,
Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын».

 

 

30Яқып Ысақтың пәтиясын ала сала, оның алдынан шығып баратырған ўақытта-ақ, әжағасы Эсаў аңнан қайтып келди. 31Эсаў та мазалы аўқат таярлап, әкесине әкелди. Соңынан ол әкесине:
– Аға! Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Сөйтип, маған пәтияңды бер, – деди.
32Әкеси оннан:
– Сен кимсең! – деп сорады.
– Мен – сениң туңғыш улың Эсаўман, – деп жуўап берди ол.
33Сонда Ысақ қатты шоршып, дирилдеп кетип:
– Ҳаў, олай болса, маған аң аўлап әкелген ким еди? Сен келместен бурын, мен тап жаңа ғана аўқатты жеп, оған пәтиямды берген едим. Енди пәтия алған ол болады, – деди.
34Эсаў әкесиниң сөзлерин еситкенде, ашшы даўыс пенен бақырып жылап:
– Маған да пәтияңды бер, аға! – деди.
35Бирақ әкеси оған:
– Иниң ҳийлекерлик пенен келип, саған тийисли пәтияны алып кетти, – деди.
36Сонда Эсаў әкесине:
– Ол бийкарға Яқып деп аталмаған шығар! Ол мени еки рет алдады-ғо: дәслеп туңғышлығымды алды, ал енди маған тийисли пәтияны да алып кетти, – деди. Соңынан ол және: – Мен ушын ҳеш қандай пәтия қалдырмадың ба? – деп сорады.
37Ысақ оған былай деп жуўап берди:
– Мен иниңди сени бийлейтуғын қылдым, барлық туўысқанларын оған хызметши еттим. Оны ғәлле ҳәм жаңа шарап пенен тәмийинледим. Енди мен сен ушын не ислей аламан, улым?
38Эсаў әкесине:
– Аға! Сенде пәтия тек биреў ме? Маған да пәтияңды бер, аға! – деп дад салып жылай баслады.
39Сонда Ысақ улына былай деп жуўап берди:

 

 

«Сениң мәканың өнимдар топырақтан,
Аспан шығынан жырақ болады.
40Қылышыңның күши менен жасап,
Иниңе хызмет етесең.
Бирақ оған қарсы бас көтергениңде,
Ол салған мойынтырықты ылақтырып таслайсаң».

 

Яқыптың дайысы Лабанға қашыўы

 

41Әкеси пәтиясын Яқыпқа бергени ушын, Эсаў иниси Яқыпты жек көрип қалды. Эсаў: «Әкемниң өлими шамаласты. Оны азалаў күнлери өткеннен кейин, иним Яқыпты өлтиремен», – деп ойлап жүрди.
42Бирақ Ребекка үлкен улы Эсаўдың ойынан хабардар болғанда, киши улы Яқыпты шақыртып алып, оған былай деди: «Мине, әжағаң Эсаў сени өлтириўди ойлап, өзин жубатып жүрипти. 43Енди улым, мениң сөзиме қулақ сал: ҳәзир-ақ Харанға, әжағам Лабанның жанына қашып кет. 44Әжағаңның ашыўы басыламан дегенше, бир қанша ўақыт Лабанның жанында қал. 45Әжағаңның ашыўы басылып, оған ислеген исиң есинен шыққаннан соң, мен биреўди жиберип, ол жерден сени алдыраман. Болмаса, мен бир күнде екеўиңизден де айырылып қаламан-ғо».
46Кейин Ребекка Ысаққа: «Мына хетт келинлеримиз мени жанымнан тойдырды. Егер Яқып та бул жердиң қызларына, хетт қызларға үйленсе, онда маған жасаўдың неге кереги бар?» – деди.

 

28

 

1Ысақ Яқыпты шақырып алып, оған пәтиясын берди ҳәм былай деп буйырды: «Кенаанлы қызларға үйленбе. 2Дәрҳал бул жерден кетип, Паддан-Арамға[42], анаңның әкеси Бетуелдиң үйине бар. Ол жерде дайың Лабанның қызларының биреўине үйлен. 3Қүдирети күшли Қудай сени жарылқасын, өсип-өндирип, көбейтсин ҳәм урпағыңнан көплеген халықлар таратсын. 4Ол Ибрайымға берген жарылқаўын саған ҳәм сениң урпақларыңа да берсин. Солай етип, сен ҳәзир келгинди болып жүрген жерди, Қудайдың Ибрайымға берген жерин меншик етип ийелегейсең». 5Соңынан Ысақ Яқыпты жолға атландырды. Яқып Паддан-Арамға, өзиниң ҳәм Эсаўдың анасы Ребекканың әжағасы, арамлы Бетуелдиң улы Лабанның үйине кетти.

 

Эсаўдың үшинши рет үйлениўи

 

6Ысақ Яқыпқа пәтия берип, үйлениўи ушын оны Паддан-Арамға жибергенин, оған пәтия берип атырып: «Кенаанлы қызларға үйленбе», – деп буйырғанын ҳәм 7Яқып ата-анасының сөзине қулақ салып, Паддан-Арамға кеткенин Эсаў билди. 8Солай етип, Эсаў кенаанлы қызлардың әкесине унамайтуғынын түсинди. 9Сонлықтан ол Ибрайымның улы Исмайылдың алдына барды ҳәм ҳаялларының үстине Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Махалатты ҳаяллыққа алды.

 

Яқыптың түси

 

10Яқып Беер-Шебадан шығып, Харанға қарай жол жүрди. 11Ол бир жерге жетип келгенде, түнеў ушын тоқтады. Себеби қуяш батып қалған еди. Ол сол жерден бир тасты алып, оны басының астына қойды да, уйықлаў ушын жатты. 12Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди. Текшениң уша басы аспанға тийип турған болып, Қудайдың периштелери оның үстинде минип-түсип жүрген еди. 13Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы, Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен. 14Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады. 15Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».
16Яқып оянып: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийе усы жерде екен-ғо, бирақ мен билмеппен!» – деп ойлады. 17Ол қорқып кетип: «Бул жер қаншелли қорқынышлы! Бул Қудайдың Үйинен басқа ҳеш нәрсе емес, бул аспан дәрўазасы!» – деди.
18Яқып азанда ерте турып, басының астына қойған тасты алды да, оны естелик қылып тиклеп, үстине зәйтүн майын қуйды. 19Илгери Луз деп аталған бул қалаға Бейт-Эл[43] деп ат қойды.
20Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе, 21сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады. 22Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».

 

29

 

Яқыптың Лабанға барыўы

 

1Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди. 2Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди. 3Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди.
4Яқып шопанлардан:
– Ҳәй, туўысқанларым, қай жерденсизлер? – деп сорады.
Шопанлар оған:
– Бизлер Хараннанбыз, – деп жуўап берди.
5Яқып олардан:
– Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады.
– Аўа, таныймыз, – деп жуўап берди олар.
6Яқып олардан және:
– Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? – деп сорады.
Олар:
– Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, – деди.
7Яқып оларға:
– Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? – деди.
8Шопанлар:
– Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, – деди.
9Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди. 10Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды. 11Соңынан Яқып Раҳиланы сүйип, өкирип жылап жиберди. 12Ол Раҳилаға әкесиниң жийени, Ребекканың улы екенин айтты. Сонда Раҳила жуўырып барып, әкесине хабар берди.
13Лабан жийени Яқыптың келгенин еситиўден-ақ, оны қарсы алыў ушын жуўырып шықты. Оны қушақлап сүйди ҳәм үйине алып келди. Яқып оған болған ўақыялардың ҳәммесин айтып берди.
14Сонда Лабан Яқыпқа:
– Ҳаў, сен өзимниң қанлас туўысқаным екенсең-ғо! – деди.

 

Яқыптың хызмет етиўи ҳәм үйлениўи

 

Яқып Лабандикинде бир айдай жасағаннан кейин, 15Лабан Яқыпқа:
– Ағайиним болғаның ушын, маған тегинге хызмет етиўиң керек пе? Маған айт, хызмет ҳақыңа қанша төлейин? – деди.
16Лабанның еки қызы болып, олардың үлкениниң аты Леа, кишкенесиниң аты Раҳила еди. 17Леаның көзлери сулыў, ал Раҳила қәдди-қәўмети келискен, шырайлы еди. 18Яқып Раҳиланы сүйип қалды. Ол Лабанға:
– Кишкене қызыңыз Раҳила ушын, мен сизге жети жыл хызмет етемен, – деди.
19Лабан оған:
– Басқа биреўге бергеннен гөре, оны саған бергеним жақсы. Меникинде жасай бер, – деди.
20Солай етип, Яқып Раҳила ушын жети жыл хызмет етти. Яқып Раҳиланы сүйгенликтен, бул жети жыл ол ушын бир неше күндей болып көринди.
21Сонда Яқып Лабанға: «Келисилген ўақыт келди, енди қызыңызды бериң, мен оған үйленейин», – деди.
22Солай етип, Лабан ол жердиң барлық халқын жыйнап, той берди. 23Бирақ түнде ол қызы Леаны әкелип, Яқыпқа берди ҳәм Яқып оның менен жатты. 24Лабан шорысы Зилпаны қызы Леаға хызметши етип берди.
25Яқып азанда турып қараса, жанында Леа жатырғанын көрди. Ол Лабанға:
– Бул не қылғаныңыз? Мен сизге Раҳила ушын хызмет еткеним жоқ па едим? Мени неге алдадыңыз? – деди.
26Лабан оған:
– Бизлердиң дәстүримиз бойынша, үлкен қызынан бурын кишкене қызын узатпайды. 27Бул тойлаў ҳәптеси тамам болсын, соңынан саған Раҳиланы да беремиз. Бирақ оның ушын және жети жыл хызмет қыласаң, – деди.
28Яқып буған келисим берип, сол бир ҳәптени Леа менен бирге өткизди. Соңынан Лабан оған қызы Раҳиланы да ҳаяллыққа берди. 29Лабан өз шорысы Билҳаны қызы Раҳилаға хызметши етип берди. 30Яқып Раҳила менен де жатты ҳәм ол Раҳиланы Леадан гөре көбирек жақсы көрди. Солай етип, Яқып Лабанға және жети жыл хызмет етти.

 

Яқыптың балалары

 

31Жаратқан Ийе Яқыптың Леада кеўли жоқ екенин көргенде, оны туўатуғын қылды. Ал Раҳила бийперзент еди. 32Леа ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Жаратқан Ийе мениң бахытсызлығымды көрди. Енди күйеўим мени жақсы көретуғын болады», – деп, улына Рубен[44] деп ат қойды.
33Ол және ҳәмиледар болып, ул туўғанда: «Жаратқан Ийе күйеўимниң менде кеўли жоқ екенин еситти ҳәм маған бул улды да берди», – деп, улына Шимон[45] деп ат қойды.
34Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», – деп, улына Лебий[46] деп ат қойды.
35Кейин ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Бул рет мен Жаратқан Ийени алғыслайман», – деди ҳәм улына Яҳуда[47] деп ат қойды. Соң ол бир қанша мүддет бала көтермеди.

 

30

 

1Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады. Ол Яқыпқа:
– Маған перзент бер, болмаса өлемен! – деди.
2Яқыптың Раҳилаға ғәзеби қайнап:
– Мен Қудай ма едим, сени аналық бахтынан маҳрум еткен? – деди.
3Раҳила:
– Мынаў мениң шорым Билҳа. Сен оның менен жат. Сонда ол бала туўып, етегиме салады ҳәм мен де ол арқалы балалы боламан, – деди.
4Солай етип, Раҳила өз шорысы Билҳаны күйеўине ҳаяллыққа алып берди ҳәм Яқып оның менен жатты. 5Билҳа ҳәмиледар болып, Яқыпқа бир ул туўып берди. 6Сонда Раҳила: «Қудай мени ақлады. Ол дадымды еситип, маған бир ул берди», – деди ҳәм улына Дан[48] деп ат қойды.
7Раҳиланың шорысы Билҳа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа екинши улын туўып берди. 8Сонда Раҳила: «Мен әжапама қарсы уллы гүресте оны жеңдим», – деди ҳәм улына Нафталий[49] деп ат қойды.
9Леа өзиниң туўмай қалғанын көргенде, шорысы Зилпаны Яқыпқа ҳаяллыққа берди. 10Леаның шорысы Зилпа да Яқыпқа бир ул туўып берди. 11Сонда Леа: «Бул қандай бахыт!» – деди ҳәм улына Гад[50] деп ат қойды.
12Леаның шорысы Зилпа Яқыпқа екинши улын туўып берди. 13Сонда Леа: «Мен қандай бахытлыман, енди ҳаяллар мени бахытлы деп атайды», – деди ҳәм улына Ашер[51] деп ат қойды.
14Рубен бийдай орағы ўақтында далаға барды. Ол далада мәргия шөплерди[52] таўып, анасы Леаға әкелип берди. Сонда Раҳила Леаға:
– Улыңның мәргия шөплеринен маған да бер, – деди.
15Бирақ Леа оған:
– Күйеўимди алғаның аз болғандай, енди улымның мәргия шөплерин де алмақшымысаң? – деди.
Раҳила оған:
– Мейли, улыңның мәргия шөплери есабынан күйеўим бул ақшам сениң менен жатсын, – деди.
16Кешқурын Яқып даладан келгенде, Леа оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: «Бүгин мениң менен жатыўың керек, себеби мен сени улым таўған мәргия шөплерге алмастырдым», – деди.
Солай етип, Яқып сол түни Леа менен жатты.
17Қудай Леаның дуўасын еситип, ол ҳәмиледар болды ҳәм Яқыпқа бесинши улын туўып берди. 18Сонда Леа: «Шорымды күйеўиме бергеним ушын, Қудай маған есесин қайтарды», – деди ҳәм улына Иссахар[53] деп ат қойды. 19Леа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа алтыншы улын туўып берди. 20Сонда Леа: «Қудай маған жақсы сый берди. Ендигиден былай, күйеўим мени қәдирлейтуғын болады, өйткени мен оған алты ул туўып бердим», – деди ҳәм улына Зебулон[54] деп ат қойды. 21Бир қанша ўақыттан соң, ол қыз туўып, атын Дина деп қойды.
22Ақыры Қудай Раҳиланы еске алып, оның дуўасын еситти ҳәм оны туўатуғын қылды. 23Раҳила ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Қудай мени шерменделигимнен қутқарды», – деди. 24Соңынан ол тағы: «Жаратқан Ийе маған және бир ул берсин», – деп, улына Юсуп[55] деп ат қойды.

 

Яқыптың ҳийле менен байыўы

 

25Раҳила Юсупти туўғаннан кейин, Яқып Лабанға былай деди:
– Маған жуўап бериң, мен өз үйиме, өз жериме қайтайын. 26Мен ҳаялларым менен балаларымды да бирге алып кетейин, себеби мен сизге олар ушын хызмет еткен едим-ғо. Мениң сизге қаншелли хызмет еткенимди өзиңиз билесиз.
27Ал Лабан оған:
– Аҳ, егер сениң кеўлиңди таба алғанымда ма еди?! Жаратқан Ийениң мени сен себепли жарылқағанын пал ашыў арқалы билдим. 28Маған хызмет ҳақыңды айт, саған төлеймен, – деди.
29Яқып оған:
– Сизге қалай хызмет еткенимди ҳәм мениң арқамда малларыңыздың қандай болғанын билесиз. 30Мен келместен бурын бар болған азғана малыңыз жүдә көбейип кетти. Мен келиўден Жаратқан Ийе сизди жарылқап баслады. Бирақ енди мен өз үйим ушын қашан мийнет етемен? – деди.
31Лабан оннан:
– Саған не берейин? – деп сорады.
Яқып оған:
– Маған ҳеш нәрсе бермең. Егер сиз мына шәртиме көнсеңиз, мен және сизиң сүриўлериңизге қарап, оларды баға беремен: 32бүгин мен барлық сүриўлериңизди аралап шығып, қой-ешкилердиң ала ҳәм жағалларын, яғный қойлардың қараларын, ешкилердиң жағал ҳәм алаларын ажыратып қояйын. Олар мениң хызмет ҳақым болсын. 33Кейин ала сиз мениң хызмет ҳақымды тексериў ушын келгениңизде, әдил екенимди билип аласыз. Ешкилеримнен қайсы бири жағал ҳәм ала болмаса, қойларымнан қайсы бири қара болмаса, урлық деп есаплансын.
34Лабан оған:
– Мейли, сен айтқандай болсын, – деди.
35Деген менен, Лабан сол күни-ақ ала-шубар ҳәм жағал текелерди, үстинде ағы бар жағал ешкилерди ҳәм қара қойлардың ҳәммесин сүриўден айырып, өз улларының қараўына тапсырды. 36Ол өзи менен Яқып арасындағы аралықты үш күнлик жол етип белгиледи. Ал Яқып Лабанның қалған малларын баға берди.
37Яқып өзине ақ терек, бадам ҳәм шынар тереклеринен жас шыбықларды кесип алды. Олардың ишиндеги ағы көрингенше, қабықларын ала-ала етип қыршыды. 38Соңынан ол қыршылған шыбықларды қой-ешкилердиң алдына, олар суў ишетуғын наўалардың ишине салып қойды. Қой-ешкилер суў ишиўге келгенде, сол жерде шағылысатуғын еди. 39Олар шыбықлардың алдында шағылысқаннан кейин, олардан ала-шубар ҳәм жағал қозы-ылақлар туўылатуғын еди. 40Яқып қозыларды айырып, қойларды Лабанның барлық ала-шубар ҳәм қара малларына қаратып қойды. Солай етип, ол өзи ушын сүриў пайда етип, оларды Лабанның малларына араластырмады. 41Урғашылардың күшлилери күйге келген ўақытта, олар шыбықлардың алдында шағылыссын деп, Яқып шыбықларды олардың көз алдына, наўалардың ишине қоятуғын еди. 42Бирақ әззи урғашылар күйге келген ўақытта, ол шыбықларды қоймайтуғын еди. Солай етип, әззи маллардан туўылғанлары Лабанға, күшлилеринен туўылғанлары Яқыпқа тийисли болды. 43Усы жол менен Яқып ҳәдден зыят байып кетти. Оның сүриў-сүриў қой-ешкилери, шорылары ҳәм қуллары, түйе ҳәм ешеклери болды.

 

31

 

Яқыптың Лабаннан қашыўы

 

1Яқып Лабанның улларының: «Яқып әкемиздиң барлық затларын өзлестирип, пүткил байлығын әкемизге тийисли болған мал-мүликтен арттырды», – деп айтып жүргенин еситти. 2Және де, Лабанның да өзине бурынғыдай қарым-қатнаста емес екенин байқады.
3Сонда Жаратқан Ийе Яқыпқа: «Ата-бабаларыңның жерине, ағайин-туўғанларыңа қайт! Мен сениң менен бирге боламан», – деди.
4Солай етип, Яқып адам жиберип, Раҳила менен Леаны өз сүриўлери жүрген жайлаўға шақыртып, 5оларға былай деди:
– Әкеңиздиң маған деген қарым-қатнасының бурынғыдай емес екенлигин көрип турман. Бирақ әкемниң Қудайы мениң менен бирге болды. 6Мениң әкеңизге бар күшим менен хызмет еткенимди өзлериңиз билесиз. 7Деген менен, әкеңиз маған пәнт берип, хызмет ҳақымды он рет өзгертти. Соған қарамастан, Қудай оның маған жаманлық етиўине жол қоймады. 8Ол: «Жағал маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў жағал туўатуғын еди. Ал ол: «Ала-шубар маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў ала-шубар туўатуғын еди. 9Солай етип, Қудайдың Өзи әкеңиздиң малларын алып қойып, оларды маған берди.
10Маллардың шағылысыў мәўсиминде, бир күни түс көрдим. Түсимде сүриўдеги урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың ала-шубар ҳәм жағал екенин көрдим. 11Қудайдың периштеси түсимде маған:
– Яқып! – деди.
– Ләббәй! – дедим мен.
12Ол:
– Қара, урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың барлығы ала-шубар ҳәм жағал. Өйткени Лабанның саған не ислеп атырғанының ҳәммесин көрдим. 13Мен саған Бейт-Элде көринген Қудайман. Сен ол жерде естелик тасын орнатқан едиң ҳәм оның үстине зәйтүн майын қуйып, Маған ўәде берген едиң. Енди бул жерден кетип, өзиңниң туўылған елиңе қайт, – деди.
14Сонда Раҳила менен Леа Яқыпқа:
– Енди әкемиздиң үйинде бизлер ушын үлес те, мийрас та қалып па еди? 15Ол ушын бизлер жат адамлар сыяқлы емеспиз бе? Себеби ол бизлерди сатып ғана қоймастан, бизлерге тийисли ақшаны да жеп қойды. 16Сонлықтан әкемизден Қудай алып қойған байлықлардың ҳәммеси бизлерге ҳәм балаларымызға тийисли. Енди Қудай саған не айтқан болса, соны исле, – деп жуўап берди.
17Солай етип, Яқып уллары менен ҳаялларын түйелерге миндирди. 18Ол өзиниң барлық малларын алдына салып, Паддан-Арамда арттырған барлық мал-мүлкин алды да, Кенаан жерине, әкеси Ысаққа барыў ушын жолға шықты. 19Лабан қойларының жүнлерин қырқыўға кеткенде, Раҳила әкесиниң бутларының мүсинлерин урлап алды. 20Оның үстине, Яқып та өзиниң кететуғынын айтпай, арамлы Лабанды алдап кетти. 21Солай етип, ол өзиниң ҳәмме нәрсесин алып, қашып кетти ҳәм Евфрат дәрьясынан өтип, таўлы Гилад үлкесине қарай жол алды.

 

Лабанның Яқыпты қуўыўы

 

22Үшинши күни Лабан Яқыптың қашып кеткенлиги туўралы хабар тапты. 23Ол ағайин-туўғанларын жанына алып, оны қуўып кетти. Жети күннен соң, таўлы Гилад үлкесинде оны қуўып жетти. 24Бирақ сол күни түнде Қудай арамлы Лабанның түсине енип, оған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа!» – деди.
25Лабан Яқыпты қуўып жеткенде, Яқып таўлы Гилад үлкесинде шатырын тигип қойған еди. Лабан да өзиниң ағайин-туўғанлары менен бирге сол жерге шатыр тикти.
26Сонда Лабан Яқыпқа былай деди:
– Бул не қылғаның? Мени алдап, қызларымды урыста қолға түскен тутқын сыяқлы алып кетипсең-ғо. 27Неге мени алдап, жасырын түрде қашып кеттиң? Маған неге айтпадың? Мен сени дәп қақтырып, лира[56] шерттирип, қосықлар айттырып, ойын-күлки менен шығарып салар едим-ғо. 28Сен, ҳәтте, ақлықларымды ҳәм қызларымды сүйип, хошласыўға да мүмкиншилик бермедиң. Сен ақмақларша ис туттың! 29Сизлерге жаманлық ислеўге күшим жетеди. Бирақ өткен түнде әкеңиздиң Қудайы маған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа», – деди. 30Түсинемен, әкеңниң үйин қатты сағынғаның ушын кетип қалғансаң. Бирақ неге сен қудайларымның мүсинлерин урлап кеттиң?
31Яқып Лабанға былай деп жуўап берди:
– Мен сизди қызларын күш пенен тартып алады деп қорқтым. 32Бирақ егер қудайларыңыздың мүсинлерин кимнен тапсаңыз, ол тири қалмасын! Ағайин-туўғанларымыздың көз алдында өзиңиз тексерип көриң. Егер меннен сизиң бир нәрсеңиз табылса, алып кетиң!
Яқып Раҳиланың бутлардың мүсинлерин урлағанын билмейтуғын еди.
33Лабан Яқыптың, Леаның ҳәм еки шорының шатырларын қарап шықты, бирақ мүсинлерди таба алмады. Ол Леаның шатырынан шығып, Раҳиланың шатырына кирди. 34Раҳила бутлардың мүсинлерин алып, түйениң ериниң астына қойып, оның үстине отырып алған еди. Лабан шатырды толық тексерип шықса да, мүсинлерди таба алмады.
35Раҳила әкесине: «Мырзам, сиз келгениңизде турып, күтип алмағаным ушын ашыўыңыз келмесин. Өйткени ҳәзир ҳаял-қызларға тән жағдайдаман», – деди.
Солай етип, Лабан қанша излесе де, мүсинлерди таба алмады.
36Яқып ашыўға минип, Лабанға бақырынып сөйлеп былай деди:
– Айыбым не? Бүйтип изимнен қуўғандай, мен не гүна иследим? 37Сиз мениң барлық затларымды тинтип шықтыңыз, бирақ өзиңизге тийисли бир нәрсе таптыңыз ба? Егер тапқан болсаңыз, оны мына жерге, ағайин-туўғанларымыздың алдына қойың. Олар екеўимизге төрелик қылсын. 38Мен жигирма жыл сизикинде жасадым. Қой-ешкилериңиз ҳеш қашан иш тасламады. Сизиң сүриўиңизден бир қошқар да жемедим. 39Жабайы ҳайўанлар баўызлап таслағанларын сизиң алдыңызға әкелмей, зәлелин өз мойныма алатуғын едим. Ал сиз болсаңыз, малыңыздың күндиз ямаса түнде урланыўына қарамастан, меннен ҳәр бир малыңыздың қунын талап етер едиңиз. 40Күндиз ыссыдан, түнде суўықтан азап шегетуғын едим. Көзлеримнен уйқы қашатуғын еди. 41Мениң сизиң үйиңиздеги жигирма жыллық өмирим усылай өтти. Мен сизге он төрт жыл еки қызыңыз ушын, алты жыл сүриўиңиз ушын хызмет еттим. Ал сиз хызмет ҳақымды он рет өзгерттиңиз. 42Егер де әкемниң ҳәм бабам Ибрайымның Қудайы, яғный Ысақ қорққан Қудай мениң менен бирге болмағанда, сиз мени қуры қол қайтарған болар едиңиз. Бирақ Қудай мениң шеккен азабымды ҳәм ислеген аўыр мийнетимди көрип, кеше түнде мени жақлап, төрелик етти.
43Лабан Яқыпқа былай деп жуўап берди:
– Мына қызлар – мениң қызларым, бул балалар – мениң ақлықларым. Бул сүриўлер – мениң сүриўлерим. Сен көрип турған нәрселердиң ҳәммеси – меники. Бирақ енди мен өз қызларыма ҳәм олардан туўылған ақлықларыма не ислей аламан? 44Кел, енди арамызда гүўалық болатуғын келисим дүзейик.
45Сонда Яқып бир тасты алып, оны естелик қылып қойды. 46Соң ағайин-туўғанларына: «Тас жыйнап келиңлер», – деди. Олар тасларды жыйнап әкелип, бир үйиншик иследи ҳәм сол үйиншиктиң жанында отырып аўқат жеди. 47Лабан үйиншикти Егар-Саҳадута, Яқып Гал-Эд[57] деп атады.
48Лабан: «Бүгин бул үйиншик бизиң арамызда гүўалық болсын», – дегенликтен, ол жер Гал-Эд деп аталды. 49Сондай-ақ үйиншик Миспа[58] деп те аталған. Себеби Лабан: «Бизлер бир-биримизден узақласып кеткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерди гүзетип турсын. 50Егер сен қызларыма жаман қатнаста болсаң ямаса олардың үстине ҳаял алсаң, буған гүўа болатуғын адам болмаса да, билип қой, Қудайдың Өзи гүўа болады», – деди. 51Лабан Яқыпқа және былай деди:
«Минекей, мынаў үйиншик ҳәм екеўимиздиң арамызда мен орнатқан естелик. 52Булар мениң саған жаманлық ислеў ушын усы үйиншиктен ары өтпейтуғыныма ҳәм сениң де маған жаманлық ислеў ушын бул үйиншик ҳәм естеликтен бери өтпейтуғыныңа гүўалық болсын. 53Ибрайым ҳәм Нахордың Қудайы, олардың ата-бабаларының Қудайы бизлерге төрелик етсин».
Сонда Яқып әкеси Ысақ қорққан Қудайдың аты менен ант ишти. 54Соңынан ол сол таўда қурбанлық шалып, ағайин-туўғанларын аўқатқа шақырды. Олар аўқатланып болып, таўда түнеп қалды.
55Ертеңине Лабан таң азанда турып, ақлықларын ҳәм қызларын сүйип, оларға пәтиясын берди. Соңынан ол үйине қайтып кетти.

 

32

 

Яқыптың Эсаў пенен ушырасыўға таярланыўы

 

1Яқып жолын даўам етип баратырғанда, оған Қудайдың периштелери дус келди. 2Яқып оларды көргенде: «Бул Қудай ләшкерлериниң ордасы екен-ғо!» – деп, ол жерди Маханайым[59] деп атады.
3Яқып Эдом жеринде, яғный Сеир үлкесинде жасайтуғын әжағасы Эсаўға өзинен алдын хабаршылар жиберди. 4Яқып оларға буйырып: «Мырзам Эсаўға қулы Яқыптың усы ўақытқа шекем Лабандикинде болып, сол жерде жасағанын, 5қара маллар, ешеклер, қой-ешкилер, қул ҳәм шорыларға ийе болғанын, енди ол мырзасының кеўлин табыў ушын, бул хабарды жоллап атырғанын айтыңлар», – деди.
6Хабаршылар қайтып келип, Яқыпқа: «Бизлер әжағаңыз Эсаўға бардық. Ол төрт жүз адам менен бирге сизди қарсы алыўға киятыр», – деди.
7Сонда Яқып қатты қорқып, албырап қалды. Ол адамларын, қой-ешкилерин, қара малларын ҳәм түйелерин еки топарға бөлди. 8Яқып: «Егер Эсаў келип, бир топарды қырып тасласа, екинши топар қутылып қалыўы мүмкин», – деп ойлады.
9Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «О, атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, – деген едиң. 10Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым. 11Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман. 12Сен маған: „Саған жақсылық қыламан, урпағыңды теңиздиң қумындай сансыз етип көбейтемен“, – деген едиң».
13Яқып түнди сол жерде өткизди.
Ол өзинде бар затлардан ағасы Эсаўға саўға етиў ушын ажыратты. 14Олар: еки жүз бас ешки, жигирма бас теке, еки жүз бас қой, жигирма бас қошқар, 15отыз бас боталы түйе, қырқ бас сыйыр, он бас буға, жигирма урғашы ҳәм он еркек ешек еди. 16Яқып оларды падаларға бөлип, қулларына тапсырды ҳәм оларға: «Мениң алдымда жүриңлер, ҳәр паданың арасында аралық болсын», – деди.
17Ол биринши болып жүретуғын қулға былай деп буйрық берди: «Әжағам Эсаў сени ушыратып, сеннен: „Кимниң қулысаң? Қаяққа баратырсаң? Алдыңдағы мына пада кимдики?“ – деп сораса, 18оған: „Булар қулыңыз Яқыптики. Олар мырзам Эсаўға жиберилген саўға. Мине, оның өзи де бизиң изимизден киятыр“, – деп айт».
19Яқып екинши, үшинши болып киятырған қулларға ҳәм падаларды айдап киятырғанлардың ҳәммесине де буйырып: «Эсаў пенен ушырасқаныңызда, сизлер де солай айтыңлар. 20„Қулыңыз Яқып изимизде киятыр“, – деңлер», – деди. Себеби Яқып: «Өзимнен бурын жиберген саўғаларым менен оның жүрегин жибиткенимнен соң ғана, оның көзине көринейин, мүмкин, сонда ол мени қабыл етер», – деп ойлады. 21Солай етип, Яқыптың саўғалары өзинен алдын жиберилди, ал өзи қоныслаған жеринде түнеп қалды.

 

Яқыптың Қудай менен гүресиўи

 

22Сол күни түнде Яқып орнынан турып, еки ҳаялын, еки шорысын ҳәм он бир улын жанына алып, Яббоқ дәрьясының өткелинен өтти. 23Оларды дәрьядан өткизгеннен соң, өзиниң барлық затларын да өткизди. 24Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести. 25Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти.
26Сонда Ол адам:
– Мени жибер, таң атып киятыр, – деди.
Бирақ Яқып Оған:
– Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди.
27Ол адам Яқыптан:
– Атың ким? – деп сорады.
Ол:
– Яқып, – деп жуўап берди.
28Сонда Ол адам:
– Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил[60] деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди. 29Яқып Оған:
– Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди.
Бирақ Ол адам:
– Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди.
Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди.
30Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пену-Эл[61] деп атады.
31Ол Пену-Элден кетип баратырғанда, күн шықты. Жамбасы аўырғанлықтан, ол ақсаңлап жүрди. 32Яқыптың жамбас сүйегиндеги сиңири зақым көргенликтен, израиллылар усы күнге дейин жамбас сүйектиң сиңирин жемейди.

 

33

 

Яқыптың Эсаў пенен ушырасыўы

 

1Яқып қарап, Эсаўдың төрт жүз адам менен киятырғанын көрди. Сонда Яқып балаларды Леаға, Раҳилаға ҳәм еки шорысына бөлип тапсырды. 2Ол еки шорысы менен олардың балаларын алдына, Леаны ҳәм оның балаларын ортаға, Раҳила менен Юсупти ең соңына қойды. 3Яқыптың өзи ҳәммесиниң алдына шығып, әжағасының жанына жеткенше, жерге дейин ийилип, жети рет тәжим етти.
4Бирақ Эсаў Яқыпты қарсы алыў ушын жуўырып барды да, оны мойнынан қушақлап сүйди ҳәм олар екеўи де жылап жиберди. 5Соңынан Эсаў қарап, ҳаяллар менен балаларды көрди ҳәм Яқыптан:
– Жаныңдағы бул адамлар кимлер? – деп сорады.
Яқып оған:
– Булар Қудайдың сизиң қулыңызға сыйлаған балалары, – деп жуўап берди.
6Сонда шорылар ҳәм олардың балалары жақынлап келип, тәжим етти. 7Кейин Леа ҳәм оның балалары, ең ақырында Юсуп ҳәм Раҳила келип, оған тәжим етти. 8Эсаў Яқыптан:
– Жолда мен ушыратқан адамлар менен падаларды не мәнисте жибердиң? – деп сорады.
Яқып оған:
– Мырзамның кеўлин табыў ушын жибердим, – деп жуўап берди.
9Бирақ Эсаў Яқыпқа:
– Иним, мениң дүнья-малым көп, өзиңдики өзиңе буйырсын, – деди.
10Яқып:
– Яқ, егер маған кеўлиңиз толған болса, саўғамды қабыл етиң. Сизиң жүзиңизди көрип, Қудайдың жүзин көргендей болдым. Өйткени сиз мени жыллы жүзлилик пенен қарсы алдыңыз. 11Өтиниш, сизге жиберген саўғаларымды қабыл етиң. Себеби Қудай маған жақсылық ислегенликтен, менде ҳәмме нәрсе бар, – деди.
Яқып жалынып қоймағанлықтан, Эсаў саўғаларды қабыл етти.
12Соңынан Эсаў:
– Жүриңлер кетейик. Мен сениң алдыңда жүремен, – деди.
13Бирақ Яқып оған:
– Мырзам, өзиңиз билесиз, балаларым жас, қой ҳәм сыйырларым да төллеген. Егер малларды бир күн қатты айдасақ, ҳәммеси өлип қалады. 14Мырзам, қулыңыздан алдын кете бериң. Мен малларымның ҳәм балаларымның жүрисине қарап, әсте-ақырын бара беремен. Сөйтип, Сеирде мырзама жетип аламан, – деди.
15Эсаў оған:
– Жанымдағы адамлардың бир нешесин саған қалдырып кетейин, – деди.
Бирақ Яқып:
– Буның ҳәжети жоқ. Мырзамның маған кеўли толғанының өзи жеткиликли, – деди.
16Солай етип, Эсаў сол күни Сеирге қайтып кетти. 17Ал Яқып Суккотқа кетип, сол жерде өзи ушын үй, маллары ушын қоралар қурды. Сонлықтан сол жер Суккот[62] деп аталды.
18Соңынан Яқып Паддан-Арамнан Кенаан жериниң Шехем қаласына аман-есен қайтып келип, қаланың сыртына шатырларын тикти. 19Ол шатырларын тиккен усы жерди Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз теңгеге сатып алды. 20Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, оны Эл-Элоҳе Израил[63] деп атады.

 

34

 

Динаның намысының бузылыўы

 

1Бир күни Яқыптың Леадан туўылған қызы Дина сол жердиң қызларын көриў ушын шықты. 2Ол жердиң бийи хиў халқынан болған Хамордың улы Шехем Динаны көргенде, оны услап алып, оған зорлық иследи. 3Жигиттиң Яқыптың қызы Динаға кеўли кетип, оны сүйип қалды ҳәм оған жыллы сөйледи. 4Шехем әкеси Хаморға: «Бул қызды маған ҳаяллыққа алып бер», – деди.
5Яқып қызы Динаның намысы аяқ асты етилгенин еситкенде, уллары жайлаўда мал бағып жүрген еди. Сонлықтан Яқып олар қайтып келгенше үндемеди.
6Сол ўақытта Шехемниң әкеси Хамор Яқып пенен сөйлесиў ушын, оның алдына барды. 7Ал Яқыптың уллары болған ўақыяны есите сала, жайлаўдан қайтып келди. Олар ашыўланып, ғәзепке минди. Өйткени Шехем Яқыптың қызын зорлап, Израилдың абырайын төккен ҳәм ислеўге болмайтуғын исти ислеген еди.
8Сонда Хамор оларға былай деди:
– Улым Шехемниң кеўли қызыңызда, қызыңызды оған ҳаяллыққа бериң. 9Бир-биримиз бенен қуда-тамыр болайық. Қыз алысып, қыз берисейик. 10Бизлер менен бирге жасай бериңлер. Елимиздиң қәлеген жеринде емин-еркин жасап, саўда-сатық қылыңлар ҳәм мүлик ийелеңлер.
11Кейин Шехем де қыздың әкеси менен әжағаларына:
– Кеўлиңиз толыўы ушын, сизлерге қәлегениңизди беремен. 12Меннен қанша қалың мал ҳәм саўға талап қылсаңлар да, ҳәммесин беремен. Тек қызыңызды маған ҳаяллыққа берсеңиз болғаны, – деди.
13Яқыптың уллары қарындасы Динаның намысын аяқ асты еткени ушын Шехемге ҳәм оның әкеси Хаморға ҳийле менен жуўап берип, 14оларға былай деди:
– Яқ, бизлер бундай қыла алмаймыз. Қарындасымызды сүннет етилмеген адамға бере алмаймыз, өйткени бул бизлер ушын шерменделик болады. 15Тек мына шәртимизди қабыл етсеңиз ғана ыразы боламыз: сизлердиң ҳәр бир ер адамыңыз бизлер сыяқлы сүннет етилсе, 16бир-биримизге қыз берип, қыз алысамыз. Сизлер менен бирге жасап, бир халық боламыз. 17Егер сүннет болыўға келисим бермесеңиз, қызымызды алып қайтамыз.
18Бул сөзлер Хамор менен оның улы Шехемге мақул түсти. 19Әкесиниң үйинде ҳәммеден көп ҳүрметке ийе болған жас жигит Шехем бул талапты орынлаўды тезлестирди. Себеби ол Яқыптың қызына ашық еди. 20Солай етип, Хамор ҳәм оның улы Шехем қала халқы менен сөйлесиў ушын қала дәрўазасына барды ҳәм оларға былай деди:
21– Бул адамлар бизлерге дослық қарым-қатнаста. Олар жеримизде жасап, саўда-сатық қылсын. Жер кең, оларға да жетеди. Олар менен қыз алысып, қыз берисейик. 22Олар тек мына шәрт пенен ғана бизлер менен бирге жасап, бир халық болыўға ыразы болады: бизлердиң ҳәр бир ер адамымыз олар сыяқлы сүннет етилиўи керек екен. 23Егер солай ислесек, олардың сүриўлери, мал-мүликлери ҳәм барлық маллары бизлердики болмай ма? Келиңлер, оларға келисим берейик, олар бизлер менен бирге жасап қалсын. 24Қала турғынларының ҳәммеси Хамордың ҳәм оның улы Шехемниң сөзлерин қабыл етти ҳәм қаладағы барлық ер адамлар сүннет етилди.
25Үшинши күни, олар аўырып жатырғанда, Яқыптың еки улы – Динаның әжағалары Шимон ҳәм Лебий қылышларын асынып алып, қалаға иркинишсиз кирди де, барлық ер адамларды қылыштан өткерди. 26Олар Хаморды ҳәм улы Шехемди де қылыштан өткизип, Динаны Шехемниң үйинен алып кетти. 27Қарындасының намысын аяқ асты қылғаны ушын, Яқыптың уллары өлгенлерди тонап, қаланы талан-тараж етти. 28Олардың ири-майда малларын ҳәм ешеклерин, қаладағы да, жайлаўдағы да барлық нәрселерин алып кетти. 29Және де, олардың балаларын ҳәм ҳаялларын тутқын қылып, пүткил байлығын ҳәм үйлериндеги барлық затларын олжа етти.
30Яқып Шимон ҳәм Лебийге:
– Сизлер усы жердиң турғынлары болған кенаан ҳәм периз халықларын маған душпан қылып қойып, басыма бәле арттырдыңыз. Мениң адамларым аз. Егер олар биригип, маған қарсы шықса, мени хожалығым менен бирликте жоқ қылады, – деди.
31Бирақ олар:
– Қарындасымызға бузық ҳаялға қатнас жасағандай қатнас жасаўға жол қойыўға бола ма? – деди.

 

35

 

Бейт-Элде Қудайдың Яқыпты жарылқаўы

 

1Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди.
2Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди: «Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар. 3Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын». 4Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир еменниң түбине көмип таслады. 5Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди.
6Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Кенаан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди. 7Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл[64] деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде өзине көринген еди. 8Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў Емени» деп аталды.
9Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады: 10«Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады. 11Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. 12Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди. 13Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти.
14Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды. 15Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады.

 

Раҳиланың өлими

 

16Олар Бейт-Элден шығып, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳиланың толғағы тутып, ол қыйыншылық пенен босанды. 17Ол азап шегип туўып атырғанда, киндик шешеси оған: «Қорқпа, сен және бир ул туўдың», – деди. 18Раҳила өлип баратырып, соңғы демин шығарарда, улын Беноний[65] деп атады. Бирақ әкеси оның атын Бенямин[66] деп қойды.
19Солай етип, Раҳила қайтыс болып, Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерленди. 20Яқып оның қәбири үстине қулпы тас орнатты. Раҳиланың қәбириниң қулпы тасы бүгинги күнге шекем бар.
21Соннан кейин, Израил және көшип, Эдер минарасының арғы жағына шатырын тикти.
22Израил сол елде жасап атырғанда, улы Рубен әкесиниң тоқалы болған Билҳа менен жатты. Әкеси бул туўралы еситти.

 

Яқыптың уллары

 

Яқыптың он еки улы бар еди. 23Оның Леадан туўылған уллары: туңғышы Рубен, кейин Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар ҳәм Зебулон. 24Оның Раҳиладан туўылған уллары: Юсуп ҳәм Бенямин. 25Раҳиланың шорысы Билҳадан туўылған уллары: Дан ҳәм Нафталий. 26Леаның шорысы Зилпадан туўылған уллары: Гад ҳәм Ашер. Булар Яқыптың Паддан-Арамда туўылған уллары.

 

Ысақтың өлими

 

27Яқып әкеси Ысақтың үйине, Мамреге келди. Мамре Кирят-Арбаның, яғный Хебронның жанында болып, ол жерде Ибрайым ҳәм Ысақ келгинди болып жасаған еди. 28Ысақ бир жүз сексен жыл жасады. 29Ол мазмунлы өмир сүрип, қартайып, деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. Уллары Эсаў пенен Яқып оны жерледи.

 

36

 

Эсаўдың урпақлары

 

1Эсаўдың, яғный Эдомның шежиреси мынадай: 2Эсаў мына кенаанлы қызларға үйленди: бириншиси хетт халқынан болған Элонның қызы Ада, екиншиси хиў халқынан болған Сибонның ақлығы, Ананың қызы Оҳолибама. 3Және де, ол Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Басематқа да үйленди. 4Ада Эсаўға Элифазды, Басемат Реуелди, 5Оҳолибама Еушты, Яламды ҳәм Қорахты туўып берди. Булар – Эсаўдың Кенаанда туўылған уллары еди.
6Кейин Эсаў ҳаялларын, улларын, қызларын, үйиндеги барлық адамларын, ҳәмме малларын ҳәм Кенаанда арттырған пүткил мал-мүлкин алып, иниси Яқыптан бөлекленди де, басқа бир елге көшип кетти. 7Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан, олар енди бирге жасай алмады. Өзлери келгинди болып жасаған бул жерлер олардың малларына тарлық етип қалған еди. 8Солай етип, Эсаў, яғный Эдом таўлы Сеир үлкесине орналасты.
9Таўлы Сеир үлкесинде жасаўшы эдомлылардың түп атасы болған Эсаўдың шежиреси мынадай: 10Эсаўдың улларының атлары: оның ҳаялы Ададан Элифаз, ал ҳаялы Басематтан Реуел туўылды.
11Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам ҳәм Кеназ. 12Эсаўдың улы Элифаздың тоқалы Тимна күйеўине Амалекти туўып берди. Булар – Эсаўдың ҳаялы Аданың ақлықлары.
13Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза. Булар – Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары.
14Сибонның ақлығы ҳәм Ананың қызы болған Оҳолибаманың күйеўи Эсаўға туўып берген уллары: Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
15Эсаўдың урпақларынан келип шыққан урыў бийлери мыналар:
Эсаўдың туңғышы Элифаздың уллары: Теман бий, Омар бий, Сефо бий, Кеназ бий, 16Қорах бий, Гатам бий ҳәм Амалек бий. Булар Эдом жеринде Элифаздың урпағынан шыққан бийлер болып, Аданың ақлықлары еди.
17Эсаўдың улы Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза. Булар Эдом жеринде Реуелдиң урпағынан шыққан бийлер болып, Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары еди.
18Эсаўдың ҳаялы Оҳолибаманың уллары: Еуш, Ялам ҳәм Қорах. Булар – Ананың қызы, Эсаўдың ҳаялы Оҳолибамадан тараған бийлер еди. 19Булардың ҳәммеси Эсаўдың, яғный Эдомның уллары ҳәм урыў бийлери.

 

Сеирдиң урпақлары

 

20Эдом жеринде жасаған хор халқынан болған Сеирдиң уллары мыналар: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, 21Дишон, Эсер ҳәм Дишан. Булар – Сеирдиң уллары болып, Эдом жеринде хор халқының урыў бийлери еди.
22Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳемам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
23Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефо ҳәм Онам.
24Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана. Әкеси Сибонның ешеклерин бағып жүрип, шөлде ыссы булақ тапқан усы Ана еди. 25Ананың балалары: Дишон ҳәм қызы Оҳолибама.
26Дишонның уллары: Хемдан, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
27Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Ақан.
28Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
29Хор халқының урыў бийлери мыналар: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, 30Дишон, Эсер ҳәм Дишан. Булар – Сеир жериндеги хор халқының урыў бийлери еди.

 

Эдом патшалары

 

31Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти: 32Беор улы Бела Эдом патшасы болды. Оның қаласының аты Динҳаба еди. 33Бела қайтыс болғаннан кейин, оның орнына Босра қаласынан болған Зерахтың улы Йобаб патша болды. 34Йобаб қайтыс болғаннан соң, теманлылардың жеринен Хушам патша болды. 35Хушам қайтыс болғаннан соң, Моаб елинде мидянлыларды қыйратқан, Бедадтың улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
36Ҳадад қайтыс болғаннан соң, оның орнына Масреқадан болған Самла патша болды.
37Самла қайтыс болғаннан соң, оның орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды. 38Шаул қайтыс болғаннан соң, оның орнына Ахбордың улы Баал-Ханан патша болды. 39Ахбордың улы Баал-Ханан қайтыс болғаннан соң, оның орнына Ҳадар патша болды. Ол Пау қаласынан болып, оның ҳаялы Матредтиң қызы, Мезаҳабтың ақлығы Меҳетабел еди.
40Тийрелерине ҳәм жерлерине қарай Эсаўдың урпағынан келип шыққан бийлердиң атлары мынадай: Тимна, Алўа, Етет, 41Оҳолибама, Эла, Пинон, 42Кеназ, Теман, Мибсар, 43Магдиел ҳәм Ирам. Булар – өзлери ийелик еткен үлкеде жасаған жерлерине өзлериниң атларын берген Эдом бийлери еди. Эдомлылардың түп бабасы – Эсаў еди.

 

37

 

Юсуптиң түслери

 

1Яқып әкеси келгинди болып жасаған Кенаан жеринде жасай берди. 2Яқыптың урпақларының тарийхы төмендегише: Юсуп он жети жасар ўақтында әжағаларына, яғный әкесиниң ҳаяллары Билҳа менен Зилпаның улларына қой-ешкилерди бағысатуғын еди. Ол әкесине әжағаларының жаман ислери ҳаққында жеткизип туратуғын еди. 3Израил Юсупти басқа барлық улларынан гөре көбирек жақсы көрди, өйткени ол Израилдың қартайған шағында көрген улы еди. Әкеси Юсупке нағыслы шапан тиккизип берди. 4Юсуптиң әжағалары әкесиниң оны өзлеринен гөре көбирек жақсы көретуғынын билгенде, оны жек көрип қалды ҳәм енди оның менен жыллы сөйлесе алмайтуғын болды.
5Бир күни Юсуп түс көрди. Ол өз түсин әжағаларына айтып бергенде, олар Юсупти бурынғыдан да бетер жек көрип қалды. 6Юсуп әжағаларына:
– Мен көрген түсимди айтып берейин, тыңлаңлар! 7Түсимде бизлер атызда дәстелерди баўлап атырған екенбиз. Бирден мениң баўлаған баўым жерден көтерилип, тик турды. Ал сизлердиң баўларыңыз мениң баўымды дөгереклеп, оған тәжим етти, – деди.
8Юсуптиң әжағалары оған:
– Сен еле бизлердиң үстимизден патша болып, бизлерди басқармақшымысаң? – деди.
Көрген түсин айтқаны себепли әжағалары оны бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
9Кейин Юсуп тағы бир түс көрди ҳәм оны да әжағаларына айтып берип былай деди:
– Тыңлаңлар, мен және бир түс көрдим. Түсимде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз маған тәжим етип атырған екен.
10Юсуп бул түсин әкесине де айтып бергенде, әкеси оған кейип:
– Сен қандай түс көрдиң өзи? Сонда не мен, анаң ҳәм әжағаларың алдыңа келип, жерге дейин ийилип, тәжим етемиз бе? – деди.
11Әжағалары Юсупке қызғаныш пенен қараўды даўам етти, бирақ әкеси оның сөзлерин есинде сақлап қалды.

 

Юсуптиң қуллыққа сатылыўы

 

12Бир күни Юсуптиң әжағалары әкесиниң қой-ешкилерин бағыў ушын Шехемге кетти. 13Израил Юсупке:
– Әжағаларыңның Шехемде қой-ешкилерди бағып атырғанын билесең. Бар, мен сени оларға жиберейин, – деди.
– Яқшы, – деди Юсуп.
14Әкеси оған:
– Барып, әжағаларыңның ҳәм сүриўдиң жағдайын билип қайт, – деп оны Хеброн ойпатлығынан Шехемге жиберди.
Юсуп Шехемге жетип барып, 15далада адасып жүргенде, бир адам оны көрип:
– Не излеп жүрсең? – деп сорады.
16Юсуп оған:
– Мен әжағаларымды излеп жүрмен. Олардың қой-ешкилерди қай жерде бағып жүргенин билмейсиз бе? – деди.
17Ол адам Юсупке:
– Олар бул жерден кетип қалды. «Дотанға барамыз», дегенин еситип қалдым, – деди.
Солай етип, Юсуп әжағаларының изинен кетип, оларды Дотаннан тапты.
18Әжағалары Юсупти узақтан көрди ҳәм ол еле қасларына жетип келместен бурын, оны өлтириўге тил бириктире баслады. 19Олар бир-бирине:
– Әне, түс көргиш киятыр! 20Келиңлер, оны өлтирип, бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық. Соңынан оны жыртқыш ҳайўан жеп кетипти, деп айтамыз. Сонда оның көрген түслериниң не болатуғынын көремиз! – деди.
21Рубен буны еситкенде, Юсупти олардың қолынан қутқармақшы болып, оларға:
– Оны өлтирмейик. 22Қан төкпейик, оны усы шөлдеги бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық, бирақ өзине тиймейик, – деди.
Оның нийети Юсупти қутқарып, әкесине қайтарыў еди. 23Юсуп әжағаларының жанына келгенде, олар оның үстиндеги нағыслы шапанды шешип алып, 24өзин бир суўсыз, бос шуқырға таслап жиберди.
25Әжағалары аўқатланыў ушын жайғасып отырғанда, Гилад тәрептен киятырған исмайыллылардың кәрўанын көрди. Олар түйелерине ҳәр түрли хош ийисли шайырларды жүклеп, Мысырға кетип баратыр еди. 26Яҳуда аға-инилерине:
– Инимизди өлтирип, оның қанын жасырғанымыздан не пайда? 27Жақсысы, оны исмайыллыларға сатайық, сонда қолымыз оның қанына былғанбайды. Себеби ол бизлер менен қаны бир туўысқанымыз-ғо, – деди.
Туўысқанлар буған ыразы болды. 28Мидянлы саўдагерлер, яғный исмайыллылар сол жерден өтип баратырғанда, әжағалары Юсупти шуқырдан шығарып алды да, оны сол саўдагерлерге жигирма шекел гүмиске сатып жиберди. Олар Юсупти Мысырға алып кетти.
29Рубен шуқырға қайтып келгенде, Юсуптиң шуқырдың ишинде жоқ екенин көрип, қайғыдан кийимлерин жыртты. 30Ол инилериниң жанына қайтып барып, оларға:
– Бала ол жерде жоқ, енди мен не қыламан, – деди.
31Сонда олар бир текени сойып, Юсуптиң нағыслы шапанын алып, оны текениң қанына былғады. 32Соңынан шапанды әкесине жиберип:
– Бизлер мынаны таўып алдық. Қара, бул улыңның шапаны емес пе? – деп соратты.
33Яқып шапанды танып:
– Аўа, бул – улымның шапаны! Оны жыртқыш ҳайўан жеп кетип, Юсуп тилким-тилким болған екен-ғо, – деди. 34Яқып қайғыдан кийимин жыртып, аза кийимин кийип алды ҳәм улы ушын узақ ўақыт аза тутты.
35Барлық ул-қызлары оған тәселле берсе де, ол жубанғысы келмей: «Мен улымның жанына, өлилер мәканына усы қайғым менен кетемен», – деп улын жоқлаўды даўам етти.
36Сол арада мидянлылар Юсупти Мысырда фараонның сарай хызметшиси Потифарға сатып жиберди. Ол сақшылардың басшысы еди.

 

38

 

Тамара ҳәм Яҳуда

 

1Сол ўақытлары Яҳуда туўысқанларынан бөлинип, адулламлы Хира деген адамның қасына барып орналасты. 2Яҳуда сол жерде Шуа деген кенаанлы бир адамның қызын ушыратып, оған үйленди. 3Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды. Яҳуда оған Эр деп ат қойды. 4Ҳаялы және ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм оған Онан деп ат қойды. 5Ол тағы бир ул туўып, оның атын Шела деп қойды. Ол туўылғанда, Яҳуда Кезибте еди.
6Яҳуда туңғышы Эрди бир қызға үйлендирди. Қыздың аты Тамара еди. 7Яҳуданың туңғышы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақ адам болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның жанын алды.
8Сонда Яҳуда Онанға: «Қәйинлик ўазыйпаңды орынлап, жеңгеңе үйлен ҳәм әжағаңның урпағын даўам еттир», – деди. 9Бирақ Онан Тамарадан туўылған балалардың өзиники болмайтуғынын билетуғын еди. Сонлықтан ол әжағасының ҳаялы менен жатқанда, әжағасынан урпақ қалмасын деп, урығын жерге төгип жиберетуғын еди. 10Оның бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақлық болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның да жанын алды.
11Сонда Яҳуда келини Тамараға: «Әкеңниң үйине қайтып, улым Шела ержеткенше, сол жерде жесир болып жасай тур», – деди.
Себеби Яҳуда: «Шела да әжағалары сыяқлы өлип қалар», – деп ойлайтуғын еди. Солай етип, Тамара әкесиниң үйине қайтты.
12Арадан көп ўақыт өткеннен соң, Шуаның қызы, яғный Яҳуданың ҳаялы қайтыс болды. Азалаў мүддети тамам болғаннан соң, Яҳуда досты адулламлы Хира менен бирге Тимнаға, өзиниң қойларын қырқып атырған адамларға кетти.
13Тамараға: «Қәйин атаң қойларын қырықтырыў ушын Тимнаға кетип баратыр», – деген хабар жетти. 14Шела ержетсе де, Яҳуда Тамараны Шелаға ҳаяллыққа алып бермеген еди. Сонлықтан Тамара үстиндеги жесирлик кийимлерин шешип, жүзин жаўлық пенен жаўды да, Тимнаға баратуғын жол бойындағы Энайым дәрўазасының алдына барып отырды.
15Яҳуда Тамараны көргенде, оны бузық ҳаял деп ойлады. Өйткени оның жүзи жабық еди. 16Яҳуда жолдан ҳаял тәрепке бурылып келди де, оның өзиниң келини екенин билмей, оған:
– Сениң менен жатайын, – деди.
Ҳаял оған:
– Мениң менен жатсаңыз, маған не бересиз, – деп сорады.
17Яҳуда:
– Сүриўимнен саған бир ылақ берип жиберемен, – деди.
– Ылағыңызды жибергениңизше, кепилликке бир нәрсе бересиз бе? – деди ҳаял.
18Яҳуда оннан:
– Кепилликке не берейин? – деп сорады.
Тамара оған:
– Мөриңизди жиби менен ҳәм қолыңыздағы ҳасаңызды бериң, – деди.
Яҳуда сол нәрселерди берип, оның менен жатты. Тамара оннан ҳәмиледар болды. 19Тамара үйине қайтып келип, жүзиндеги жаўлығын шешип таслады да, және жесирлик кийимлерин кийип алды.
20Сол арада Яҳуда кепилликке қалдырған нәрселерин қайтарып алыў ушын, адулламлы досты арқалы ҳаялға бир ылақ жиберди. Деген менен, достысы ҳаялды таба алмады. 21Сонда достысы сол жердиң адамларынан:
– Энайымда, жол шетинде бир бузық ҳаял бар еди, ол қаяқта? – деп сорады.
Олар:
– Бул жерде ондай ҳаял жоқ, – деп жуўап берди.
22Достысы Яҳуданың жанына қайтып келип:
– Ҳаялды таба алмадым. Сол жердиң адамлары да ол жерде ҳеш қандай бузық ҳаялдың болмағанын айтты, – деди.
23Яҳуда:
– Мейли, сол затлар ҳаялда қала берсин. Тек ҳеш кимге масқара болмасақ болғаны. Мен ылақты жиберген едим, бирақ сен ҳаялды таба алмадың, – деди.
24Шама менен үш айдай ўақыт өткенде, Яҳудаға: «Келиниң Тамара бузықшылық ислепти, ол ҳәзир ҳәмиледар», – деген хабар жетти. Сонда Яҳуда: «Оны далаға алып шығып, жағып жибериңлер», – деди.
25Тамараны далаға алып шыққанда, ол қәйин атасына: «Мен мына затлардың ийесинен ҳәмиледар болдым. Анықлап қараң, бул мөр, оның жиби ҳәм ҳаса кимдики?» – деп хабар жиберди.
26Яҳуда затларды танып: «Ҳақыйқатлық ол тәрепте, себеби мен оны улым Шелаға алып бермедим», – деди. Соннан кейин, Яҳуда Тамара менен қайтып жақынласқан жоқ.
27Тамараның туўыў ўақты келгенде, қарнында егиз бала барлығы мәлим болды. 28Ол босанып атырған ўақытта, егизлердиң бири қолын сыртқа шығарды. Киндик шешеси баланың қолын услап: «Бул биринши болып туўылды», – деп оның билегине қызыл жип байлап қойды. 29Бирақ ол қолын ишке тартып алды ҳәм сол ўақытта оның сыңары туўылды. Сонда киндик шешеси: «Сен қалайынша тосқынлықты бузып өттиң?» – деди. Сонлықтан оған Перес[67] деп ат қойылды. 30Соңынан билегине қызыл жип байланған оның сыңары туўылды. Оған Зерах[68] деп ат қойды.

 

39

 

Юсуп ҳәм Потифардың ҳаялы

 

1Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды. 2Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады. 3Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди. 4Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды. 5Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди. 6Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады.
Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди. 7Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған:
– Мениң менен жат, – деди.
8Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди:
– Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды. 9Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан? 10Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.
11Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди. 12Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап: «Мениң менен жат», – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.
13Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде, 14үй хызметшилерин шақырып, оларға: «Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым. 15Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти», – деди.
16Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды. 17Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып: «Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды. 18Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти», – деди.
19Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди. 20Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты.
Бирақ Юсуп қамақта болғанда да, 21Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти. 22Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды. 23Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.

 

40

 

Юсуптиң тутқынлардың түсин жорыўы

 

1Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр фараонының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр фараонына қарсы айып иследи. 2Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып, 3оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады. 4Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.
5Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 6Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди. 7Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен:
– Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.
8Олар:
– Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди.
Юсуп оларға:
– Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.
9Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып:
– Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим. 10Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти. 11Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.
12Юсуп оған былай деди:
– Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн. 13Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң. 14Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал. 15Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.
16Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди:
– Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен. 17Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.
18Юсуп оған былай деди:
– Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн. 19Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.
20Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти. 21Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды. 22Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды. 23Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.

 

41

 

Юсуптиң фараонның түсин жорыўы

 

1Арадан еки жыл өткенде, фараон түс көрди. Түсинде ол Нил дәрьясының жағасында тур екен. 2Дәрьядан шырайлы ҳәм семиз, жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 3Соңынан дәрьядан сықылсыз ҳәм арық жети сыйыр шығып, дәрьяның жағасындағы алдынғы сыйырлардың жанына барып турды. 4Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар шырайлы ҳәм семиз жети сыйырды жеп қойды. Сол ўақытта фараон оянып кетти.
5Ол және уйықлап кетип, қайтадан түс көрди. Түсинде бир пақалда жети жақсы ҳәм толық масақ өсип тур екен. 6Соңынан пуш ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шығыпты. 7Бул пуш масақлар жақсы ҳәм толық масақларды жутып жиберипти. Сол ўақытта фараон уйқысынан оянып кетип, буның түс екенин билди.
8Азанда фараон тынышсызланып, Мысырдың барлық сыйқыршылары менен данышпанларын шақыртып алды да, оларға көрген түслерин айтып берди. Деген менен, олардың ҳеш бири фараонның түслерин жорый алмады.
9Сонда бас шарап қуйыўшы фараонға былай деди:
– Бүгин мен өз айыбымды мойынлаўға мәжбүрмен. 10Бир күни сиз өзиңиздиң қулларыңыз болған маған ҳәм бас нанбайға ашыўланып, бизлерди сақшылардың басшысының үйине, қамақханаға қаматқан едиңиз. 11Бир күни түнде екеўимиз де түс көрдик. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 12Сол жерде бизлер менен бирге сақшылардың басшысының қулы болған, бир еврей жигит бар еди. Бизлер түслеримизди оған айтып бергенимизде, ол жорып берди. 13Ҳәмме нәрсе ол жорығандай болды: мен өз хызметиме қайттым, ал нанбай дарға асылды.
14Сонда фараон Юсупке адам жиберип, оны тезлик пенен қамақханадан алдырды. Юсуп сақал-муртын алып, кийимлерин алмастырғаннан кейин, фараонның алдына келди. 15Фараон Юсупке:
– Мен бир түс көрдим, бирақ оны ҳеш ким жорый алмады. Еситиўимше, сен түс жорый алады екенсең, – деди.
16Юсуп фараонға:
– Мен жорый алмайман. Бирақ сизиң ийгилигиңиз ушын, Қудайдың Өзи жорыйды, – деди.
17Сонда фараон Юсупке былай деди:
– Түсимде Нил дәрьясының жағасында турған екенмен. 18Сол ўақытта дәрьядан семиз ҳәм шырайлы жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 19Соңынан дәрьядан арық, сықылсыз ҳәм ети сүйегине жабысқан жети сыйыр шықты. Мен пүткил Мысыр елинде бундай арық сыйырларды ҳеш көрмеген едим. 20Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар семиз сыйырларды жеп қойды. 21Бирақ семиз сыйырлар олардың қарнына түссе де, ҳеш нәрсе болмағандай, арық сыйырлар бурынғысынша арық болып қала берди. Соннан кейин, мен оянып кеттим.
22Кейин мен басқа түс көрдим. Түсимде бир пақалда толық ҳәм жақсы жети масақ өсип шыққанын көрдим. 23Соңынан пуш, жиңишке ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты. 24Жиңишке масақлар жақсы жети масақты жутып жиберди. Мен түслеримди сыйқыршыларға айтып бердим, бирақ олардың ҳеш бири жорый алмады.
25Юсуп фараонға былай деди:
– Фараон, сизиң еки түсиңиз де бир мәнисти аңлатады. Қудай не ислейжағын сизге билдирипти. 26Жети шырайлы сыйыр – жети жыл. Жети жақсы масақ та – жети жыл. Бул түслердиң мәниси бир. 27Олардан соң шыққан арық ҳәм сықылсыз жети сыйыр менен шығыс самалы кептирген жети жиңишке масақ жети жыл ашлық болатуғынын билдиреди. 28Мен жаңа айтқанымдай, Қудай не ислейжағын сизге көрсетипти. 29Пүткил Мысыр жеринде жети жыл молшылық болады. 30Ал оннан кейин болса, молшылық жылларын умыттыратуғын жети жыл ашлық болады. Бул ашлық жерди жүдетип жибереди. 31Кейин болатуғын ашлық соншелли аўыр болғанлықтан, бурын болған молшылықты умыттырып жибереди. 32Сизиң бир мәнистеги түсти еки рет көриўиңиздиң мәниси – Қудайдың анық қарар еткенин ҳәм буны тез арада иске асыратуғынын билдиреди.
33Енди сиз ақыллы ҳәм дана бир адамды таўып, оған Мысырды басқарыўды тапсырың. 34Және де, сиз ел үстинен қадағалаўшыларды тайынлап, Мысыр жериндеги молшылықтың жети жылында өнимниң бестен бир бөлегин жыйнатың. 35Ол адамлар келешектеги молшылық жылларының пүткил азығын топлап, қалалардағы сизге тийисли телеклерге жыйнап сақласын. 36Жети жыллық ашлық ўақтында бул ғәлле қорлары Мысырға азық болып, ел ашлықтан қырылмайды.

 

Юсуптиң Мысыр үстинен ҳүкимдар болыўы

 

37Бул усыныс фараонға ҳәм оның барлық хызметкерлерине мақул түсти. 38Фараон хызметкерлерине: «Бизлер Қудайдың Руўхына ийе болған бул адамнан басқа биреўди таба аламыз ба?» – деди.
39Соңынан ол Юсупке былай деди: «Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген екен, демек, сеннен ақыллы ҳәм дана адам болмағаны. 40Мен сарайымды басқарыўды саған тапсыраман, пүткил халқым сениң буйрықларыңа қулақ асатуғын болады. Мен тахтым менен ғана сеннен үстин боламан. 41Ҳәзирден баслап, мен сени пүткил Мысыр үстинен ҳүкимдар етип тайынлайман». 42Соңынан фараон бармағындағы мөр жүзигин шешип алып, Юсуптиң бармағына тақты. Оған зығыр шапан кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты. 43Фараон Юсупти өзинен кейинги екинши дәрежели арбаға миндирип, оның алдында: «Тәжим етиңлер!» – деп жар салыўды буйырды. Солай етип, фараон Юсупти пүткил Мысыр ели үстинен ҳүкимдар етип қойды. 44Соңынан фараон Юсупке және: «Фараон – мен боламан, бирақ сениң рухсатыңсыз пүткил Мысырда ҳеш ким тырп ете алмайды», – деди. 45Фараон Юсупке Сафнат-Панеах деген ат қойып, оны Он қаласындағы руўханий Потифераның қызы Асенатқа үйлендирди. Солай етип, Юсуп Мысыр елин аралап шықты.
46Юсуп Мысыр патшасы фараонның хызметине тайынланғанда отыз жасында еди. Юсуп фараонның алдынан кетип, пүткил Мысыр жерин аралаўға шықты. 47Жети жыллық молшылық ўақтында жер мол өним берди. 48Юсуп Мысырда жети жыл ишинде өнген өнимлердиң ҳәммесин жыйнап, қалаларда сақлады. Ҳәр бир қала әтирапындағы атызларда өнген өнимлерди сол қалаға жыйнап қойды. 49Юсуп теңиз қумындай мол ғәлле жыйнағанлықтан, оны өлшеўди тоқтатты. Өйткени ғәлле өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп еди.
50Ашлық жыллары басланбастан бурын Он қаласының руўханийи Потифераның қызы Асенат Юсупке еки ул туўып берди. 51Юсуп: «Қудай маған барлық қыйыншылықларымды ҳәм әкемниң үйин умыттырды», – деп, туңғыш улының атын Менашше[69] деп қойды. 52Юсуп екинши улын Эфрайым[70] деп атап: «Қыйыншылық көрген елимде Қудай мени өсип-өндирди», – деди.
53Мысырда жети жыллық молшылық та тамамланды. 54Юсуптиң айтқанындай, жети жыллық ашлық басланды. Ҳәмме еллерде ашлық болса да, пүткил Мысыр елинде азық-аўқат болды. 55Пүткил Мысыр ели аш бола баслағанда, халық фараонға жалбарынып, нан сорады. Сонда фараон оларға: «Юсупке барыңлар, ол сизлерге не десе, соны ислеңлер», – деди. 56Ашлық пүткил елди жайлап алғанда, Юсуп телеклерди ашып, мысырлыларға ғәлле сата баслады. Себеби Мысырда ашлық ҳәўиж алған еди. 57Юсуптен ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға барлық еллерден адамлар келетуғын еди. Өйткени пүткил жер жүзинде ашлық күшейген еди.

 

42

 

Юсуптиң ағаларының Мысырға келиўи

 

1Яқып Мысырда ғәлле бар екенин билгенде, улларына: «Неге бир-бириңизге қарап отырсызлар? 2Мен Мысырда ғәлле бар екенин еситтим. Өлмей тири қалыўымыз ушын, сизлер ол жаққа барып, ғәлле сатып алып келиңлер», – деди.
3Солай етип, Юсуптиң он әжағасы ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға кетти. 4Бирақ Яқып Юсуптиң иниси Беняминди олар менен бирге жибермеди. Себеби ол улының бир бәлеге жолығыўынан қорқатуғын еди. 5Солай етип, ғәлле сатып алыўға келгенлер менен бирге Израилдың уллары да Мысырға келди. Өйткени Кенаан жеринде де ашлық болып атырған еди.
6Юсуп Мысыр елиниң басшысы болып, елдеги пүткил халыққа ғәлле сататуғын еди. Сонда Юсуптиң ағалары келип, оның алдында маңлайлары жерге тийгенше ийилип, тәжим етти. 7Юсуп ағаларын көрип, оларды таныды. Бирақ өзин оларды танымайтуғындай қылып көрсетип, қатал сөйледи ҳәм олардан:
– Қаяқтан келдиңлер? – деп сорады.
Олар Юсупке:
– Бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын, Кенаан жеринен келдик, – деп жуўап берди.
8Юсуп ағаларын таныса да, ағалары оны танымады. 9Юсуп олар ҳаққында көрген түслерин еслеп, оларға:
– Сизлер жансызларсыз! Бул елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
10Олар Юсупке:
– Яқ, мырзамыз! Сизиң қулларыңыз болған бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын келдик. 11Бизлер ҳәммемиз бир әкениң улларымыз. Сизиң қулларыңыз болған бизлер ҳадал адамлармыз, жансыз емеспиз, – деди.
12Юсуп оларға және:
– Яқ, сизлер елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
13Олар:
– Сизиң қулларыңыз болған бизлер он еки туўысқанбыз. Ҳәммемиз Кенаан жеринде жасайтуғын бир әкениң улларымыз. Ең кишкенемиз ҳәзир әкемиздиң жанында, ал басқа биреўи жойтылып кетти, – деди.
14Юсуп оларға былай деди:
– Әне, айтқанымдай, сизлер жансызларсыз-ғо. 15Енди сизлер сынаўдан өтесиз. Егер генже иниңиз бул жерге келмесе, фараонның басы менен ант етемен, сизлер бул жерден кетпейсизлер. 16Араңыздан бириңизди жибериң, ол барып, иниңизди алып келсин. Ал қалғанларыңыз қамақта турасызлар. Сөзлериңиздиң ҳақыйқат ямаса жалған екенлигин тексерип көремиз. Егер сөзлериңиз жалған болса, фараонның басы менен ант етемен, сизлер жансызларсыз.
17Солай етип, Юсуп ағаларын үш күнге қаматып қойды.
18Үшинши күни оларға: «Мен Қудайдан қорқатуғын адамман. Егер сизлер былай ислесеңиз, бир қасық қаныңыздан кешемен: 19өзлериңиздиң ҳадал адамлар екенлигиңизди дәлиллеўиңиз ушын, араңыздағы бириңиз қамақта қалсын, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып кетиңлер. 20Соңынан кишкене иниңизди маған алып келиңлер. Сонда сөзлериңиздиң ҳақыйқый екенлиги дәлилленип, өлимнен аман қаласызлар», – деди. Олар буған келисим берди. 21Олар бир-бирине: «Шынында да, бизлер инимизге ислеген исимиз ушын жазаланып атырмыз. Ол бизлерге жалбарынғанда, оның қалай қыйналғанын көрсек те, оны тыңламадық. Сол себептен бизлердиң басымызға да усы қыйыншылық түсти», – дести. 22Рубен оларға: «Балаға жаманлық ислемеңлер», – деп сизлерге ескертпеген бе едим? Бирақ сизлер тыңламадыңлар. Мине, ҳәзир оның қанының қуны бизлерден талап етилип атыр, – деди. 23Юсуптиң өзлерин түсинетуғынын ағалары билмеди, себеби Юсуп олар менен дилмаш арқалы сөйлескен еди.
24Юсуп ағаларының жанынан кетип, жылап жиберди. Соңынан қайтып келип, олар менен сөйлести ҳәм араларынан Шимонды тутқынға алып, басқаларының көз алдында байлатып қойды.

 

Юсуптиң ағаларының Кенаанға қайтыўы

 

25Юсуп ағаларының қапларын ғәллеге толтырыўды, гүмислерин ҳәр бириниң қабына қайтарып салыўды ҳәм жол азығын бериўди буйырды. Айтылған сөз орынланды. 26Юсуптиң ағалары ғәллелерин ешеклерине артып, жолға түсти.
27Олар түнеў ушын бир жерде тоқтады. Сонда олардың арасындағы биреўи ешегине жем берейин деп қаптың аўзын ашқанда, қаптың аўзында турған өзиниң гүмис теңгесин көрди. 28Ол туўысқанларына: «Гүмисимди қайтарып берипти. Мине, ол қабымның ишинде екен», – деди. Сонда олардың жүреклери суўлап, қалтырасып, бир-бирине: «Қудайдың бизлерге бул не қылғаны?» – деди.
29Олар Кенаанға, әкеси Яқыпқа қайтып келип, басларынан кеширгенлериниң ҳәммесин айтып берип, былай деди: 30«Сол елдиң басшысы бизлер менен қатал сөйлесип, бизлерди елге келген жансызлар деп есаплады. 31Бизлер оған: „Бизлер ҳадал адамлармыз, жансызлар емеспиз. 32Бизлер он еки туўысқан болып, бир әкениң улларымыз. Бир инимиз жойтылып кетти, ал кишкене инимиз ҳәзир Кенаанда, әкемиздиң жанында қалды“, – дедик. 33Сол елдиң басшысы бизлерге: „Сизлердиң ҳадал адамлар екенлигиңизди мен мынадан билемен: туўысқаныңыздың биреўин қасымда қалдырың да, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып, кете бериңлер. 34Ал генже иниңизди маған алып келесизлер. Мен сонда сизлердиң жансыз емес, ал ҳадал адамлар екенлигиңизди билемен ҳәм туўысқаныңызды сизлерге қайтарып беремен. Сонда сизлер бул елде саўда ислей аласызлар“, – деди».
35Олар қапларын босатып атырып, ҳәр қайсысы өз қабының ишинен түйиўли гүмисин таўып алды. Түйиўли гүмислерин көргенде, олардың өзлери де, әкеси де қорқып кетти. 36Сонда Яқып улларына:
– Сизлер мени перзентлеримнен айырдыңлар: Юсуп жоқ, Шимон жоқ, енди Беняминди де алып кетпекшисизлер. Маңлайым буншелли қара болмаса! – деди.
37Рубен әкесине:
– Егер мен Беняминди қайтарып әкелмесем, мениң еки улымды өлтире ғой. Беняминди маған тапсыр, мен оны саған қайтарып әкелемен, – деди.
38Бирақ Яқып:
– Улымды сизлер менен жибермеймен, өйткени ағасы өлип, ол жалғыз қалды. Егер ол жолда бир бәлеге жолықса, сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер, – деди.

 

43

 

Беняминниң Мысырға алып барылыўы

 

1Кенаан жериндеги ашлық күшли еди. 2Мысырдан алып келинген ғәлле таўысылғаннан кейин, Яқып улларына:
– Және барып, аз-маз азық-аўқат сатып әкелиңлер, – деди.
3Яҳуда әкесине былай деди:
– Ол адам бизлерге: «Егер иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбеңлер», – деп қатаң айтқан еди. 4Егер инимизди бизлер менен бирге жиберсең, барып, саған азық-аўқат алып келемиз. 5Егер жибермесең, бизлер бара алмаймыз, себеби ол адам: «Иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген еди.
6Израил:
– Не ушын сизлер ол адамға және бир иниңиздиң бар екенин айтып, мениң басымды бәлеге қойдыңыз? – деди.
7Олар әкесине:
– Ол адам бизлерден өзлеримиз ҳәм туўысқанларымыз ҳаққында шуқлап сорап: «Әкеңиз еле тири ме? Басқа туўысқаныңыз бар ма?» – дегенде, бизлер оның сораўларына жуўап бердик. Оның бизлерге: «Иниңизди алып келиң», – деп айтатуғынын қаяқтан билиппиз? – деди.
8Яҳуда әкеси Израилға:
– Баланы мениң менен жибер, кетейик. Сонда сен де, бизлер де, балаларымыз да өлмей, тири қаламыз. 9Мен бала ушын басым менен жуўап беремен, оны меннен талап етесең. Егер мен оны алдыңа қайтарып әкелмесем, онда бир өмир сениң алдыңда айыпкер боламан. 10Егер ўақытты соза бермегенимизде, ҳәзирге дейин еки рет барып келген болар едик, – деди.
11Ақырында Израил улларына былай деди:
– Мейли, онда былай ислең: өзлериңиз бенен бирге бул жердиң ең жақсы өнимлеринен алып, ол адамға саўғаға аз-маз бальзам, аз-маз пал ҳәм хош ийисли шайыр, ладан, писте, бадам алып барыңлар. 12Қапларыңыздың аўзында қайтып келген гүмислерди қайтарып бериўиңиз ушын, еки есе артық гүмис алып кетиңлер. Мүмкин, алжасық болған шығар. 13Иниңизди алып, сол адамға қайтып барыңлар. 14Қүдирети күшли Қудай ол адамның жүрегине сизлерге деген реҳим берсин, ол сизлердиң сол туўысқаныңыз бенен Беняминди сизлерге қайтарып берсин. Ал маған келсек, егер мен баласыз қалатуғын болсам, мейли, баласыз қала қояйын.

 

Юсуптиң туўысқанларын екинши рет көриўи

 

15Солай етип, туўысқанлар саўғаларды, еки есе артық гүмисти ҳәм Беняминди алып, Мысырға қарай жолға шықты ҳәм Юсуптиң алдына келди. 16Юсуп олардың жанындағы Беняминди көргенде, өзиниң үй басқарыўшысына: «Бул адамларды мениң үйиме алып бар да, мал сойып, аўқат таярла. Өйткени олар түски аўқатты мениң менен бирге жейди», – деди.
17Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай ислеп, оларды Юсуптиң үйине алып барды. 18Туўысқанлар өзлериниң Юсуптиң үйине апарылғанын көргенде қорқып кетип, бир-бирине: «Бурын қапларымызға қайтарып салынған гүмисти сылтаўлап, ол бизлерди усы жерге алып келген шығар. Ол бизлерге топылып, өзлеримизди қул етпекши ҳәм ешеклеримизди тартып алмақшы шығар», – дести.
19Олар қапының кирер аўзында Юсуптиң үй басқарыўшысына жақынлап барып:
20– Мырзамыз, бизлер буннан алдын азық-аўқат сатып алыў ушын бул жерге келген едик. 21Қайтарсын түнеген жеримизде қапларымызды ашып қарағанымызда, ҳәр биримиз гүмисимиздиң басы бузылмай, қаптың аўзында турғанын көрип, ҳайран қалдық. Бизлер оны қайтарып алып келдик. 22Буннан тысқары, бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын қосымша гүмис алып келдик. Ал сол гүмисимизди қапларымызға ким салып қойғанын бизлер билмеймиз, – деди. 23Үй басқарыўшысы:
– Қәўетерленбеңлер ҳәм қорқпаңлар. Қапларыңыздағы бул ғәзийнени сизлердиң ҳәм әкеңиздиң Қудайы қапларыңызға салып кетипти. Мен гүмисиңизди алдым, – деди.
Соңынан ол Шимонды олардың алдына алып келди.
24Үй басқарыўшы оларды Юсуптиң үйине алып келип, аяқларын жуўыў ушын суў ҳәм ешеклерине жем берди. 25Туўысқанлар түске, Юсуптиң келиўине саўғаларын таярлап қойды. Себеби өзлериниң сол жерде аўқатланатуғынын еситкен еди.
26Юсуп үйге келгенде, олар саўғаларын ишке әкелип, Юсупке берди ҳәм оның алдында жерге дейин ийилип, тәжим етти. 27Юсуп олардан ҳал-аўҳал сорап болғаннан кейин:
– Өзлериңиз айтқан ғарры әкеңиз аман-саў жүр ме? Ол еле тири ме? – деди.
28– Сизиң қулыңыз болған әкемиз аман-саў жүр, ол еле тири, – деп олар ҳүрмет пенен ийилип, тәжим етти.
29Юсуп көз таслап, өзи менен бир анадан туўылған иниси Беняминди көргенде:
– Бул маған айтқан генже иниңиз бе? – деп сорады ҳәм Беняминге: – Қудай саған мийримин түсирсин, улым, – деди де, 30дәрҳал сол жерден шығып кетти. Өйткени туўысқанын көргенде, оның жүреги елжиреп кеткен еди. Юсуп бөлмесине кирип, сол жерде жылап алды.
31Ол бетин жуўғаннан кейин сыртқа шықты да, өзин қолға алып: «Аўқат әкелинсин!» – деп буйырды. 32Юсупке бөлек, аға-инилерине бөлек ҳәм Юсуп пенен аўқатланып отырған мысырлыларға бөлек дастурхан жайылды. Себеби мысырлылар еврейлер менен бирге аўқат жемейтуғын еди, бул олар ушын мәкириў есапланатуғын еди. 33Туўысқанлары Юсуптиң қарсы алдында үлкенинен кишисине дейин, жасы бойынша отырды. Олар таң қалысып, бир-бирине қарады. 34Юсуптиң дастурханынан оларға аўқат жиберилди. Сонда Беняминниң пайы басқаларға қарағанда бес есе артық болды. Олар Юсуп пенен бирге ишип, кеўил көтерип отырды.

 

44

 

Жойтылған гүмис кесе

 

1Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: «Бул адамлардың қапларын өзлери көтере алғанша азық-аўқатқа толтыр ҳәм ҳәр бириниң гүмисин қабының аўзына сал. 2Ең генжесиниң қабының аўзына ғәлле ушын төленген гүмисине қоса, мениң гүмис кесемди де салып қой». Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай етип иследи.
3Ертеңине таң атыўдан, сол адамлар ешеклери менен бирге жолға атландырылды. 4Олар қаладан узақлап кетпей турып, Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: «Бар, сол адамлардың изинен қуў. Жетип алғаныңнан кейин, оларға былай деп айт: „Не ушын сизлер жақсылыққа жаманлық қайтардыңыз? 5Не ушын хожайынымның гүмис кесесин урлап кеттиңиз? Хожайыным оннан ишип, оны пал ашыў ушын қолланады-ғо. Сизлер жаман ис иследиңлер“».
6Үй басқарыўшысы ағалы-инилилердиң изинен қуўып жетип, оларға усы гәплерди айтты.
7Ағалы-инилилер оған:
– Мырзамыз, не ушын бундай сөзлерди айтып турсыз? Сизиң қулларыңыз болған бизлер бундай ислерди ислеўден аўлақпыз. 8Ҳәтте, бизлер қапларымыздың аўзынан тапқан гүмисти Кенаан жеринен сизге қайтарып әкелип берген едик-ғо. Қалай бизлер хожайыныңыздың үйинен гүмис ямаса алтын урлаймыз? 9Гүмис кесе қулларыңыздың қайсы биринен табылса, сол өлтирилсин, ал қалғанларымыз хожайынымызға қул болайық, – деди.
10Үй басқарыўшысы:
– Мейли, сизлер айтқандай болсын. Кесе кимнен табылса, сол мениң қулым болады. Ал қалғанларыңыз айыпсыз боласыз, – деди.
11Олар дәрҳал қапларын жерге түсирип, аўызларын ашты. 12Үй басқарыўшы үлкенинен баслап, кишисине дейин, ҳәммесиниң қапларын тексерип шықты. Кесе Беняминниң қабынан табылды. 13Туўысқанлар қайғыдан кийимлерин жыртты ҳәм жүклерин ешеклерине артып, қалаға қайтып барды.
14Яҳуда ҳәм туўысқанлары Юсуптиң үйине келгенде, ол еле үйде еди. Олар Юсуптиң алдында жерге жығылды. 15Юсуп оларға:
– Неге бундай иследиңиз? Мендей адамның пал ашып, билип алатуғынын билмедиңиз бе? – деди. 16Сонда Яҳуда:
– Мырзамызға бизлер не айта аламыз? Не деп түсиндире аламыз? Өзлеримизди қалай ақлай аламыз? Қудай қулларыңыздың айыбын әшкара етти. Бизлер де, кесе табылған адам да сизге қул боламыз, – деди.
17Юсуп:
– Яқ, мен бундай ислеўден аўлақпан. Кесе кимнен табылған болса, тек сол маған қул болады. Ал сизлер аман-есен әкеңиздиң алдына қайта бериң, – деди.

 

Яҳуданың Бенямин ушын жалбарыныўы

 

18Сонда Яҳуда Юсупке жақынырақ келип былай деди:
– Мырзам, маған бир сөз айтыўға рухсат етиң. Сиз фараон менен бирдей бийликке ийесиз, қулыңызға ашыўланбаң. 19Мырзам, сиз қулларыңыз болған бизлерден: «Әкеңиз ямаса басқа туўысқаныңыз бар ма?» – деп сорағаныңызда, 20бизлер сизге: «Ғарры әкемиз ҳәм оның қартайғанда көрген генже улы бар. Оның туўысқаны өлип, анасынан жалғыз қалған еди ҳәм әкемиз оны жақсы көреди», – деген едик.
21Сонда сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Оны маған алып келиң, бир көрейин», – деген едиңиз. 22Бирақ бизлер сизге: «Бала әкесин таслап кете алмайды. Егер әкеси оннан айырылса, өлип қалады», – деген едик. 23Сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Егер генже иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген едиңиз. 24Бизлер сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымызда, сизиң сөзлериңизди оған айтып бердик. 25Әкемиз: «Және барып, бизлерге аз-маз азық-аўқат сатып алыңлар», – дегенде, 26бизлер оған: «Бара алмаймыз, егер генже инимиз бизлер менен бирге барса ғана, барамыз. Генже инимиз бизлер менен бирге болмаса, ол адамның жүзин көре алмаймыз», – дедик. 27Сонда қулыңыз болған әкемиз бизлерге: «Ҳаялым Раҳиланың маған еки ул туўып бергенин билесиз. 28Биреўинен айырылдым. Оны бир ҳайўан тилким-тилким етип таслаған, соннан бери оны қайтып көрмедим. 29Егер сизлер буны да алып кетсеңиз ҳәм ол бир бәлеге жолықса, онда сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер», – деди. 30Енди мен сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымда, оның жанынан артық көретуғын улы қасымызда болмаса, 31ол улының жоқ екенин көрип, өлип қалады. Сонда сизиң қулыңыз болған бизлер қулыңыз болған әкемиздиң ғарры басын сол қайғы менен өлилер мәканына жиберемиз. 32Сизиң қулыңыз болған мен бул бала ушын басым менен жуўап беремен деп, әкеме: «Егер оны саған қайтарып алып келмесем, онда мен бир өмир сениң алдыңда айыпкер болайын», – дедим. 33Сонлықтан енди баланың орнына сизге мен қул болып қалайын. Ал бала туўысқанлары менен бирликте қайта берсин. 34Себеби бала жанымда болмаса, әкеме қалай қайтып бараман? Мен әкемниң басына түсетуғын бахытсызлыққа шыдай алмайман.

 

45

 

Юсуптиң туўысқанларына өзин танытыўы

 

1Сонда Юсуп хызметшилердиң алдында өзин артық тута алмай: «Ҳәммени бул жерден шығарып жибериң!» – деп бақырды. Солай етип, Юсуп туўысқанларына өзин танытқанда, оның жанында ҳеш ким жоқ еди. 2Оның даўыслап жылағаны соншелли, мысырлылар да оның жылағанын еситти. Бул ҳаққында хабар фараонның сарайына да жетип барды.
3Юсуп туўысқанларына: «Мен Юсуппен! Әкем еле тири ме?» – деди. Бирақ туўысқанлары оның алдында албырап, не деп жуўап берерин билмеди.
4Юсуп оларға: «Маған жақынырақ келиңлер», – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти: «Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен! 5Мени бул жерге сатып жибергениңиз ушын қыйналмаң ҳәм өзлериңизди айыпламаң. Қудай адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди. 6Елде еки жылдан бери ашлық болмақта, және бес жыл даўамында жер де егилмейди, зүрәәт те жыйналмайды. 7Қудай жер жүзинде урпақларыңызды сақлап қалыў ушын ҳәм таң қаларлық жол менен жанларыңызды қутқарыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди. 8Мени бул жерге сизлер жибергениңиз жоқ, ал Қудай жиберди. Ол мени фараонға кеңесгөй, оның сарайына хожайын ҳәм пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. 9Сизлер дәрҳал әкемниң алдына барың да, оған улыңыз Юсуп: „Қудай мени пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. Иркилмей, жаныма кел. 10Сен балаларың, ақлықларың, сүриў ҳәм падаларың, пүткил мал-мүлкиң менен бирликте Гошен жерине орналасып, мениң жанымда боласаң. 11Сол жерде мен сени бағаман, өйткени ашлық және бес жыл даўам етеди. Болмаса сен, хожалығың ҳәм саған тийисли ҳәмме нәрсе набыт болады“, – деп айтып атыр деңлер». 12Соңынан ол туўысқанларына және: «Мине, сизлер де, иним Бенямин сен де өз көзлериңиз бенен көрип турғаныңыздай, сизлерге бул сөзлерди айтып турған мен – ҳақыйқаттан да, Юсуп боламан. 13Мысырда мениң қаншелли атақ-абырайға ийе екенимди ҳәм өзлериңиз көрген нәрселердиң ҳәммесин әкеме айтып бериң. Әкемди дәрҳал бул жерге алып келиң», – деди.
14Соңынан Юсуп иниси Беняминниң мойнынан қушақлап жылады. Бенямин де оны қушақлап жылады. 15Юсуп барлық ағаларын да сүйип, оларды қушақлап жылады. Кейин туўысқанлары оның менен сөйлесе баслады.
16Юсуптиң туўысқанлары келгени ҳаққында хабар фараонның сарайына жетип барғанда, фараон ҳәм оның хызметшилери буған қуўанды. 17Фараон Юсупке былай деди: «Туўысқанларыңа айт, олар ешеклерине жүклерин артып, Кенаанға қайтсын. 18Әкесин ҳәм хожалықларын алып, усы жерге қайтып келсин. Мен оларға Мысырдың ең жақсы жерлерин беремен, ишип-жейтуғыныңыз мол болады». 19Және де, оларға былай деп айтыўыңды да буйыраман: «Балалары ҳәм ҳаяллары ушын Мысырдан арбалар алып кетсин ҳәм әкеңизди бул жерге алып келсин. 20Қалып кеткен затларыңызға ашынбаңлар, пүткил Мысырдың ең жақсы затлары сизлердики болады».
21Израилдың уллары айтылғанларды иследи. Юсуп фараонның буйрығы бойынша оларға арбалар ҳәм жол ушын азық берди. 22Юсуп олардың ҳәр бирине бир шапаннан, ал Беняминге үш жүз шекел гүмис пенен бес шапан берди. 23Ол әкесине арнап, он ешекке Мысырдың ең жақсы затларын жүкледи ҳәм әкесиниң жолы ушын, он машаға дән, нан ҳәм азық-аўқат артып жиберди. 24Юсуп туўысқанларын жолға шығарып салып атырып: «Жолда жәнжеллесип жүрмеңлер», – деди.
25Юсуптиң туўысқанлары Мысырдан шығып, Кенаан елине, әкеси Яқыптың жанына қайтып келди. 26Олар әкесине: «Юсуп тири екен, ол ҳәзир пүткил Мысыр елин басқарып тур», – деди. Бирақ Яқыптың жүреги бүлк етпеди ҳәм оларға исенбеди. 27Олар әкесине Юсуптиң өзлерине айтқан барлық сөзлерин айтып берди. Яқып өзин көширип әкелиў ушын Юсуптиң жиберген арбаларын көргенде, руўхына жан кирди. 28Сонда Израил: «Енди исенемен, улым Юсуп еле тири екен! Өлмесимнен бурын барып, оны көретуғын болдым», – деди.

 

46

 

Яқыптың Мысырға көшип барыўы

 

1Солай етип, Израил өзиниң барлық мал-мүлкин алып, жолға шықты. Беер-Шебаға жетип келгенде, әкеси Ысақтың Қудайына арнап қурбанлықлар шалды. 2Қудай түнде Израилға аян берип:
– Яқып, Яқып! – деди.
– Ләббәй, – деди ол.
3Қудай оған былай деди:
– Мен Қудайман, әкеңниң Қудайыман. Сен Мысырға барыўдан қорқпа. Мен ол жерде сениң урпақларыңнан уллы халық жаратаман. 4Мен сениң менен бирге Мысырға бараман ҳәм урпақларыңды усы жерге сөзсиз қайтарып алып келемен. Қайтыс болғаныңда, Юсуп өз қоллары менен көзлериңди жабады.
5Соңынан Яқып Беер-Шебадан жолға шықты. Израилдың уллары әкеси Яқыпты, балаларын ҳәм ҳаялларын фараон жиберген арбаларға мингизип, алып кетти. 6Олар малларын ҳәм Кенаан жеринде жыйнаған пүткил мал-мүлкин алып, Мысырға келди. Яқып пенен оның пүткил урпақлары бирге еди. 7Яқып өзи менен бирге улларын, қызларын, ақлықларын, яғный пүткил урпақларын алып, Мысырға көшип келди.
8Израилдың, яғный Яқыптың Мысырға алып келген улларының ҳәм урпақларының атлары төмендегише:
Яқыптың туңғышы – Рубен. 9Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
10Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм кенаанлы ҳаялынан туўылған Шаул.
11Лебийдиң уллары: Гершон, Қоҳат, Мерарий.
12Яҳуданың уллары: Эр, Онан, Шела, Перес ҳәм Зерах. Бирақ Эр менен Онан Кенаанда қайтыс болған еди. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
13Иссахардың уллары: Тола, Пуа, Йоб ҳәм Шимрон.
14Зебулонның уллары: Серед, Элон ҳәм Яхлеел.
15Булар Леаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Леа оларды ҳәм қызы Динаны Паддан-Арамда туўған еди. Яқыптың уллары менен қызлары барлығы болып отыз үш еди.
16Гадтың уллары: Сифйон, Хаггий, Шуний, Эсбон, Эрий, Ародий ҳәм Арелий.
17Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қарындасы Серах.
Берияның уллары: Хебер ҳәм Малкиел. 18Булар – Лабанның қызы Леаға берген шорысы Зилпаның Яқыпқа туўып берген улларының урпақлары. Олар барлығы он алты еди.
19Яқыптың ҳаялы Раҳиланың уллары Юсуп ҳәм Бенямин еди. 20Мысырда Юсуп Менашше ҳәм Эфрайым деген еки уллы болды. Юсупке оларды Он қаласының руўханийи болған Потифераның қызы Асенат туўып берди.
21Беняминниң уллары: Бела, Бехер, Ашбел, Гера, Нааман, Эхий, Рош, Муппим, Хуппим ҳәм Ард.
22Булар – Раҳиланың Яқыпқа туўып берген улларының урпақлары. Олар ҳәммеси болып он төрт еди.
23Данның улы: Хушим.
24Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шиллем. 25Булар Лабанның қызы Раҳилаға берген шорысы Билҳаның Яқыпқа туўып берген улларының урпақлары. Олар ҳәммеси жетеў еди.
26Яқыптың улларының ҳаялларын қоспағанда, Яқыптың урпағынан болған ҳәм оның менен бирге Мысырға келгенлердиң саны ҳәммеси болып алпыс алты адам еди. 27Юсуптиң Мысырда туўылған еки улы менен бирликте Мысырға көшкен Яқыптың хожалығы ҳәммеси болып жетпис адам еди.

 

Яқыптың Юсуп пенен ушырасыўы

 

28Гошенге баратуғын жолды көрсетиў ушын, Яқып алдын ала Яҳуданы Юсупке жиберди. Олар Гошен жерине жетип келгенде, 29Юсуп өзиниң арбасын жегип, әкеси Израилды көриў ушын, Гошенге барды. Юсуп әкесин көре сала, оны мойнынан қушақлап, узақ жылады. 30Израил Юсупке: «Тири екениңди өз көзим менен көрдим, енди өлсем де, әрманым жоқ», – деди.
31Юсуп туўысқанларына ҳәм әкесиниң үй-ишиндеги адамларға былай деди: «Мен фараонға барып былай деймен: „Кенаан жеринде жасаған туўысқанларым ҳәм әкемниң үй-ишиндеги адамлар маған келди. 32Олар шопанлар болып, шарўашылық пенен шуғылланады. Сонлықтан олар сүриўлерин, падаларын ҳәм барлық мал-мүлкин өзлери менен бирге алып келген“. 33Егер фараон сизлерди шақырып: „Кәсип-кәриңиз не?“ – деп сораса, 34сизлер: „Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де бала ўақтымыздан бери шарўашылық пенен шуғылланамыз“, – деп айтыңлар. Сонда сизлерге Гошен жерине орналасыўыңызға рухсат етиледи. Себеби мысырлылар шопанлардан жеркенеди».

 

47

 

Израил уллары фараон алдында

 

1Юсуп фараонға барып: «Әкем ҳәм туўысқанларым сүриўлери, падалары ҳәм барлық мал-мүлки менен Кенаан жеринен келди. Олар ҳәзир Гошен жеринде», – деп хабарлады.
2Кейин Юсуп әжағаларының ишинен бесеўин таңлап алып, фараонның алдына алып келди.
3Фараон Юсуптиң ағаларынан:
– Кәсип-кәриңиз не? – деп сорады.
Олар былай деп жуўап берди:
– Сизиң қулларыңыз болған бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы шопанбыз. 4Бизлер бул елге ўақытша жасаў ушын келдик. Кенаан жеринде күшли ашлық болып, малларымыз жайылатуғын өрис қалмады. Рухсат етсеңиз, Гошен жерине орналасайық.
5Сонда фараон Юсупке:
– Әкең ҳәм туўысқанларың саған келипти. 6Мысыр жери сениң ықтыярыңда. Оларды елдиң ең жақсы жерине орналастыр. Олар Гошен жеринде жасасын. Егер олардың арасында уқыплы адамлар бар болса, оларды мениң шарўам үстинен бақлаўшы етип қой, – деди.
7Кейин Юсуп әкеси Яқыпты фараонның алдына апарды. Яқып фараонға пәтиясын берди. 8Фараон Яқыптан:
– Жасыңыз нешеде? – деп сорады.
9Яқып оған:
– Мен бир жүз отыз жылдан бери дүньяға мийманман. Мениң өмирим тез ҳәм машақатлы өтти, бирақ мен ата-бабаларымның мийман болып жасап кеткен жасына еле жетпедим, – деп жуўап берди.
10Соңынан Яқып фараонға пәтиясын берип, оның алдынан шығып кетти.
11Солай етип, Юсуп әкесин ҳәм туўысқанларын Мысырға орналастырып, фараонның буйырғанындай, оларға елдиң ең жақсы жеринен, Рамсес үлкесинен меншик жер берди. 12Және де, Юсуп әкесин, туўысқанларын ҳәм әкесиниң үй-ишин балаларының санына қарай азық-аўқат пенен тәмийинледи.

 

Ашлық жыллары Юсуптиң Мысырды басқарыўы

 

13Ашлықтың күшейгени соншелли, ҳеш бир елде жейтуғын нәрсе қалмады. Мысыр ҳәм Кенаан еллери қырылып кете жазлады. 14Юсуп сатқан дәни ушын Мысырдағы ҳәм Кенаандағы барлық ақшаларды жыйнап, фараонның сарайына апарды. 15Мысырда да, Кенаанда да ақша таўысылғанда, мысырлылар Юсупке келип:
– Бизлерге жейтуғын нәрсе бериң! Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Ақшаларымыз да таўысылды, – деди. 16Юсуп оларға:
– Егер ақшаңыз таўысылған болса, малларыңызды алып келиң. Мен олардың орнына сизлерге азық-аўқат беремен, – деди.
17Солай етип, олар малларын Юсупке алып келди. Юсуп олардың атлары, майда-ири маллары ҳәм ешеклериниң орнына азық-аўқат берди. Юсуп бир жыл бойы оларды малларының орнына азық-аўқат пенен тәмийинледи.
18Сол жыл өткеннен соң, кейинги жылы халық және Юсуптиң алдына келип: «Мырзамыз, сизден ҳақыйқатты жасырмаймыз: ақшамыз таўысылды, малларымызды сизге бердик. Енди сизге өзимизден ҳәм жеримизден басқа беретуғын ҳеш нәрсемиз қалмады. 19Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Жерлеримиз де шөлге айлансын ба? Сиз бизлерди ҳәм жерлеримизди сатып алып, орнына азық-аўқат бериң. Бизлер жеримиз бенен бирге фараонның қулы болайық. Бизлерге туқым бериң, өлмей, тири қалайық, жер де қаңырап қалмасын», – деди.
20Солай етип, Юсуп Мысырдағы барлық жерлерди фараон ушын сатып алды. Мысырлылардың ҳәммеси атызларын сатты. Өйткени ашлық оларды буған мәжбүр етти. Жерлердиң ҳәммеси фараондики болды. 21Юсуп Мысырдың бир шетинен екинши шетине дейин пүткил халықты фараонның қулына айландырды. 22Ол тек руўханийлердиң жерлерин ғана сатып алмады. Себеби олар фараон тәрепинен тәмийинленип, сол арқалы күн кеширгенликтен, жерлерин сатпады.
23Юсуп халыққа:
– Мен сизлерди ҳәм жерлериңизди фараон ушын сатып алдым. Мине, сизлерге туқым, оны жерге егиңлер. 24Зүрәәт жыйнағаныңызда, зүрәәттиң бестен бир бөлегин фараонға бересиз. Ал қалған төрт бөлегин атызға егетуғын туқым ретинде қолланасыз, және де, өзиңиз, хожалығыңыз ҳәм балаларыңыз ушын аўқат қыласыз, – деди.
25Халық Юсупке:
– Сиз бизлердиң өмиримизди сақлап қалдыңыз. Мырзамыздың кеўлинен шығайық ҳәм бизлер фараонның қулы болайық, – деди.
26Юсуп зүрәәттиң бестен бирин фараонға бериў ҳаққында Мысырда нызам шығарды ҳәм бул нызам ҳәзирги күнге дейин сақланып келеди. Тек руўханийлердиң жерлери ғана фараонға берилмеди.

 

Яқыптың соңғы тилеги

 

27Израил Мысырда Гошен жерине орналасты. Олар сол жерде мүлик ийеси болды ҳәм өсип-өнип, жүдә көбейди.
28Яқып Мысырда он жети жыл жасады. Ол барлығы болып бир жүз қырқ жети жыл өмир сүрди.
29Өлими жақынласқанда, Яқып улы Юсупти шақырып алып, оған былай деди:
– Егер маған кеўлиң толса, санымның астына қолыңды қой да, маған жақсылық ислеп, садықлық көрсететуғыныңа ҳәм мени Мысырда жерлемейтуғыныңа ант иш. 30Мен қайтыс болғанымнан соң, мени Мысырдан алып кетип, ата-бабаларымның жанына жерле.
Юсуп әкесине:
– Мен айтқаныңыздай ислеймен, – деди.
31Израил оған:
– Маған ант иш! – деди.
Юсуп ант ишти. Израил төсегиниң бас ушында ийилип, Қудайға сыйынды.

 

48

 

Яқыптың Эфрайым менен Менашшеге пәтиясын бериўи

 

1Буннан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Юсупке: «Әкең аўырып атыр», – деген хабар жеткенде, ол уллары Менашше менен Эфрайымды ертип, әкесине кетти. 2Яқыпқа: «Улыңыз Юсуп келди», – деп хабарлағанда, Израил күшин жыйнап, төсегинде турып отырды.
3Яқып Юсупке: «Қүдирети күшли Қудай Кенаан жериндеги Лузда маған көринди ҳәм мени жарылқап, 4маған: „Мен сени өсип-өндирип, көбейтемен. Урпағыңнан көплеген халықлар жаратаман. Бул жерди сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен“, – деген еди. 5Мен Мысырға келмесимнен алдын, сениң бул жерде туўылған еки улың Эфрайым менен Менашше енди меники болып есапланады. Олар мен ушын Рубен ҳәм Шимон менен теңдей. 6Олардан кейин туўылатуғын балаларың өзиңдики болады. Оларға Эфрайым ҳәм Менашше арқалы мийрас өтеди. 7Мен Падданнан қайтып киятырғанымда, Кенаан елинде, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳила қайтыс болып, мен оннан айырылып қалдым. Оны Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерледим», – деди.
8Израил Юсуптиң улларын көрип:
– Булар кимлер? – деп сорады.
9Юсуп әкесине:
– Булар – Қудайдың маған Мысырда берген уллары, – деди.
Сонда Израил оған:
– Оларды маған жақынлат, оларға пәтиямды берейин, – деди.
10Қартайғанлықтан, Израилдың көзлери әззилеп, жақсы көрмейтуғын еди. Юсуп улларын әкесине жақынлатқанда, әкеси оларды сүйип, қушақлады. 11Соңынан Израил Юсупке: «Мен сениң дийдарыңды көриўден үмитимди үзген едим, бирақ, минекей, Қудай маған сениң перзентлериңди де көрсетти», – деди.
12Юсуп әкесиниң дизесинде отырған улларын шетке алды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, әкесине тәжим етти. 13Соңынан Юсуп Эфрайымды оң жағына алып, Израилдың шеп қолына туўрылап, ал Менашшени шеп жағына алып, Израилдың оң қолына туўрылап турғызды. 14Бирақ Израил қолларын айқастырып, туңғыш ул Менашше болыўына қарамастан, оң қолын киши ул Эфрайымның басына, ал шеп қолын туңғыш ул Менашшениң басына қойды.
15Кейин Юсупке пәтиясын берип былай деди: «Аталарым Ибрайым менен Ысақтың хызмет еткен Қудайы, усы күнге дейин, өмирим бойы мениң шопаным болған Қудай, 16мени барлық жаманлықлардан сақлап келген периште бул өспиримлерди жарылқасын! Мениң атым ҳәм аталарым Ибрайым менен Ысақтың атлары олар арқалы даўам етсин. Олар жер бетинде есап-сансыз болып көбейсин».
17Әкесиниң оң қолын Эфрайымның басына қойғаны Юсупке унамады. Сонлықтан ол әкесиниң қолын Эфрайымның басынан алып, Менашшениң басына қоймақшы болды. 18Юсуп әкесине:
– Әке, олай емес, туңғыш ул Менашше болады, оң қолыңды оның басына қой, – деди.
19Бирақ әкеси келисим бермей:
– Билемен, улым, билемен. Менашшеден да уллы бир халық шығады. Бирақ оның иниси оннан да уллырақ болып, урпақларынан көп халықлар келип шығады, – деди.
20Сол күни Израил оларға пәтиясын берип, былай деди: «Израиллылар пәтия бергенде: „Қудай сени Эфрайым ҳәм Менашшедей қылсын!“ – деп сизлердиң атыңыз бенен пәтия беретуғын болады». Усылайынша Яқып Эфрайымды Менашшеден жоқары қойды. 21Соң Израил Юсупке: «Мениң өлимим жақынласты. Қудай сизлер менен бирге болып, сизлерди ата-бабаларыңыздың жерине қайтарады. 22Саған туўысқанларыңнан бир пай артық етип, таў етегиндеги жерди де беремен. Оны мен қылыш ҳәм садағым менен амор халқынан тартып алған едим», – деди.

 

49

 

Яқыптың улларына пәтиясын бериўи

 

1Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди: «Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.

 

 

2Жыйналып қулақ салыңлар,
Ҳәй, Яқып уллары,
Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!

 

3Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым,
Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси,
Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.
4Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы,
Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди.
Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине,
Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.

 

5Ағайинли Шимон ҳәм Лебий,
Қылышлары – жаўызлық қуралы.
6Олардың жасырын жобасына шерик болмайын,
Жыйынына да қатнаспайын мен.
Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди,
Кеўли күсегенин қылып,
Кести буғалардың аяқ сиңирин.
7Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына,
Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине!
Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына,
Тарқатаман Израил халқының арасына.

 

8Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды.
Қолың жаўыңның желкесинен түспейди,
Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.
9Яҳуда, сен жас арыслансаң,
Улым мениң! Аң аўлап қайттың,
Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип,
Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?
10Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин,
Патшалық ҳасасы алынбас сеннен.
Бийлик бәрқулла сеники болып,
Халықлар саған бойсынар.
11Байларсаң ешегиңди жүзим ағашына,
Гүрреңди мийўели шақасына.
Жуўарсаң кийимлериңди шарапқа,
Шапаныңды жүзимниң қанына.
12Шараптан нурлы болар көзлериң,
Сүттен ақ болар сениң тислериң.

 

13Зебулон жасайды теңиз бойында,
Кемелерге жағыс болар ол,
Мәканлаған жери болар Сидонға шекем.

 

14Жүклер арасында жатырған,
Иссахар – бир күшли ешек.
15Ол қашан дем алатуғын жақсы жер,
Унайтуғын бир ел көрсе,
Жүкти көтериў ушын ыйығын тутып,
Ерксиз хызметшиге айланар.

 

16Дан да Израилдың бир урыўы болып,
Өз халқына қазылық етер.
17Дан – жол шетиндеги жылан,
Ол – соқпақта жатырған бир уўлы жылан.
Ол аттың табанынан шаққанда,
Атлыны шалқасына жығылтар.

 

18Сениң қутқарыўыңды күтпектемен, О, Жаратқан Ийе!

 

19Гад басқыншылар ҳүжимине ушырар,
Бирақ олардың изинен қуўып, шабыўыл жасар.

 

20Ашердиң азық-аўқаты тойымлы келер,
Ол патшаға сай ләззетли тағам жетистирер.

 

21Нафталий – бир азат суўын,
Оннан әжайып балалар туўылар.

 

22Юсуп – мийўели ағаш,
Ол – булақ басындағы жемисли терек.
Шақалары дийўалдан асып өтер,
23Оған садақшылар реҳимсиз ҳүжим етти,
Душпанларша үстине оқлар жаўдырды.
24Бирақ Израилдың Қорғаны ҳәм Шопаны болған,
Яқыптың Күшли Қудайының жәрдеминде,
Қоллары оның қарыўлы ҳәм шаққан болды,
Сонлықтан ол садағын беккем услады.
25Әкеңниң Қудайы сени қоллап турар,
Жоқарыдағы аспанның берекети менен,
Жердеги терең булақлардың берекети менен,
Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен[71],
Қүдирети күшли Қудай сени жарылқар.
26Әкеңниң берген пәтиялары,
Уллырақ болар әййемги таўлардың берекетлеринен,
Ески төбешиклер молшылығынан да.
Пәтияларым туўысқанлары ишинен таңланған Юсупке қонсын!

 

27Бенямин – аш қасқыр,
Ол аўлаған аңын азанда жеп,
Кеште олжаны бөлисер».

 

 

28Израилдың он еки урыўы усылар. Әкеси оларға бул сөзлерди айтып, ҳәр бирине минәсип болған пәтияны берген еди.

 

Яқыптың өлими

 

29Буннан кейин, Яқып улларына былай деп ўәсият етти: «Мен өлип, ата-бабаларыма қосылажақпан. Мени ата-бабаларымның жанына, хетт халқынан болған Эфронның атызындағы үңгирге апарып қойыңлар. 30Бул үңгир Кенаан жеринде, Мамреге жақын жердеги Махпела атызында жайласқан. Оны Ибрайым хетт халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын сатып алған еди. 31Ол жерге Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара, Ысақ ҳәм оның ҳаялы Ребекка қойылған. Мен Леаны да сол жерге қойдым. 32Бул атыз ҳәм ондағы үңгир хеттлерден сатып алынған еди». 33Яқып улларына бул ўәсият сөзлерин айтып болғаннан соң, төсегинде аяқларын жыйнап жатты да, деми таўысылып, өз ата-бабаларына қосылды.

 

50

 

Яқыптың жерлениўи

 

1Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди. 2Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады. 3Бул ис қырқ күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
4Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине: «Егер маған кеўлиңиз толған болса, фараонға мыналарды жеткизиңлер. 5Әкем маған ант иштирип: „Мениң өлимим жақынласты. Мени Кенаан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой“, – деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин», – деди.
6Сонда фараон Юсупке: «Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт», – деди.
7Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти. 8Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды. 9Арбалар ҳәм атлылар да оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
10Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты. 11Сол жерде жасайтуғын кенаанлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» – дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым[72] аты берилди.
12Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады. 13Оның денесин Кенаан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хетт халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди. 14Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.

 

Юсуптиң ағаларына тәселле бериўи

 

15Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» – дести. 16Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип, 17саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, – деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.
18Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып:
– Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
19Бирақ Юсуп оларға:
– Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен. 20Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды. 21Сонлықтан қорқпаңлар, мен сизлерди де, балаларыңызды да бағаман, – деди де, ағаларының жүрегине жағатуғын жыллы сөзлер айтып, оларға тәселле берди.

 

Юсуптиң өлими

 

22Солай етип, Юсуп ҳәм оның әкесиниң үй-иши Мысырда жасап қалды. Юсуп бир жүз он жыл жасады. 23Юсуп Эфрайымның ақлық-шаўлықларын көрди. Ал Менашшениң улы Махирдиң улларын асырап алды.
24Юсуп туўысқанларына: «Мениң өлимим жақынласты. Бирақ Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Ол сизлерди бул жерден алып шығып, Өзи Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерине апарады», – деди. 25Соңынан оларға ант иштирип: «Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сизлер мениң сүйегимди бул жерден алып кетиңлер», – деди.
26Юсуп бир жүз он жасқа шығып қайтыс болды. Оның денесин мумиялап, Мысырда бир табытқа салып қойды.

 

 

 

Шығыў

1

 

Израиллылардың Мысырда азап шегиўи

 

1Яқып пенен бирге хожалықлары менен Мысырға келген Израил улларының атлары мыналар еди: 2Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, 3Иссахар, Зебулон, Бенямин, 4Дан, Нафталий, Гад ҳәм Ашер. 5Яқыптың урпағынан шыққанлар барлығы болып жетпис адам еди. Ал Юсуп әлле қашан Мысырда еди.
6Ўақты келип, Юсуп, оның туўысқанлары ҳәм сол әўладтың ҳәммеси дүньядан өтти. 7Бирақ Израил урпақлары өсип-өнип, барған сайын сансыз көбейип, күшейгени соншелли, Мысыр ели оларға толып кетти.
8Сол ўақытта Мысыр тахтына Юсупти танымайтуғын жаңа патша отырды. 9Патша өз халқына: «Минекей, Израил халқының саны жүдә көбейип, күшли болып баратыр. 10Келиңлер, көбейип кетпеўи ушын оларға қарсы ҳийле қолланайық. Болмаса, урыс болған жағдайда, олар душпанларымызға қосылып кетиўи ҳәм бизлерге қарсы урысып, елимизден кетип қалыўы мүмкин», – деди.
11Солай етип, мысырлылар израиллыларға аўыр жумысларды ислетип, езиў ушын, олардың үстинен қул жумсайтуғын басшыларды тайынлады. Израиллылар фараон ушын Питом ҳәм Рамсес деген телеклери бар қалаларды салды. 12Деген менен, мысырлылар израиллыларды қаншелли езген сайын, олар соншелли көбейип, артып барды. Сонда мысырлылар қорқынышқа түсип, 13израиллыларды аяўсыз түрде жумыс ислеўге мәжбүрледи. 14Оларды ҳәр түрли атыз жумысларын, ылай соғыў ҳәм гербиш қуйыўдай аўыр жумысларды ислеўге аяўсыз мәжбүрлеп, турмысын қыйынластырды.
15Мысыр патшасы Шифра ҳәм Пуўа деген еврейлердиң киндик шешелерине буйырып:
16– Еврей ҳаялларын туўдырып атырғаныңызда, дыққатлы болың: егер ул туўылса, өлтириң, ал егер қыз туўылса, тири қалдырың, – деди. 17Бирақ киндик шешелер Қудайдан қорқатуғын еди. Сонлықтан олар Мысыр патшасының айтқанын ислемей, ул балаларды тири қалдырды. 18Сонда Мысыр патшасы киндик шешелерди шақыртып алып:
– Неге булай ислеп атырсызлар? Неге ул балаларды тири қалдырып атырсызлар? – деп сорады. 19Киндик шешелер оған жуўап берип:
– Еврей ҳаяллары мысырлы ҳаялларға уқсамайды. Олар жүдә қарыўлы болып, бизлер бармастан алдын-ақ, туўып алады, – деди.
20Бул иси ушын Қудай киндик шешелерге жақсылық иследи. Ал Израил халқы көбейип, барған сайын күши артып барды. 21Өзинен қорққаны ушын, Қудай киндик шешелерге урпақ берди.
22Соннан кейин, фараон өзиниң пүткил халқына: «Еврейлердиң туўылған ҳәр бир ул баласын Нил дәрьясына таслаңлар, ал қыз балаларын тири қалдырыңлар», – деп буйырды.

 

2

 

Муўсаның туўылыўы

 

1Лебий урыўынан болған бир адам урыўлас қызына үйленди. 2Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм баласының сондай сүйкимли екенин көрип, оны үш ай жасырып жүрди. 3Бирақ ҳаял баласын артық жасырып жүре алмайтуғын болғанлықтан, қамыстан исленген бир себетти алып, оған шайыр ҳәм қара май жағып шықты. Кейин ишине баланы салды да, Нил дәрьясының жағасындағы қамыслыққа қойды. 4Ал баланың әжапасы үкесине не болатуғынын көриў ушын, узақтан бақлап турды.
5Сонда фараонның қызы шомылыў ушын дәрьяға келди. Ал оның шорылары дәрья жағасында жүрген еди. Фараонның қызы қамыслықтың арасында турған себетти көрип қалып, оны әкелиў ушын шорысын жиберди. 6Ол себетти ашып, жылап атырған баланы көрди ҳәм оған жаны ашып: «Бул – бир еврей баласы-ғо», – деди.
7Сол ўақытта баланың әжапасы фараонның қызына:
– Сизге баланы емизип бериўи ушын, мен барып, еврейлерден емизиўли бир ҳаялды шақырып келейин бе? – деди.
8Фараонның қызы оған:
– Яқшы, бар, – деп жуўап берди.
Қыз барып, баланың анасын шақырып келди. 9Фараонның қызы ҳаялға:
– Мына баланы алып, маған емизип бер, хызмет ҳақыңды төлеймен, – деди. Ҳаял баланы алып, емизди. 10Бала үлкейгенде, ҳаял оны фараонның қызына алып келди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм «Оны суўдан шығарып алдым», – деп, баланың атын Муўса[1] қойды.
11Муўса ержеткеннен соң, бир күни өз халқына барды. Олардың аўыр жумыс ислеп атырғанын ҳәм өз халқынан болған бир еврейди бир мысырлының урып атырғанын көрди. 12Муўса әтирапына нәзер таслап, ҳеш кимниң жоқ екенин көргенде, мысырлыны өлтирип, оны қумға көмип жасырды. 13Ертеңине ол және шыққанда, еки еврейдиң төбелесип атырғанын көрди. Сонда Муўса наҳақ болған адамнан:
– Неге туўысқаныңды урып атырсаң? – деп сорады. 14Сол адам Муўсаға:
– Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? Мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди.
Сонда Муўса қорқып кетип: «Расында да, бул ис әшкара болып қалған екен-ғо», – деп ойлады. 15Бул ис ҳаққында фараон да еситип, Муўсаны өлтирмекши болды. Бирақ Муўса оннан қашып, Мидян жерине барып жасады.
Бир күни ол бир қудықтың қасында отырғанда, 16мидян руўханийиниң жети қызы келип, әкесиниң қойларын қудықтан суўғарыў ушын, наўаларды толтыра баслады. 17Бирақ айырым шопанлар келип, оларды қуўып жиберди. Сонда Муўса келип қызларды қорғады ҳәм олардың қойларын суўғарып берди. 18Қызлар әкеси Реуелдиң жанына қайтып барғанда, әкеси олардан:
– Неге бүгин бунша тез келдиңиз? – деп сорады. 19Қызлары әкесине:
– Мысырлы бир адам бизлерди шопанлардан қорғады. Буның үстине, ол суў алып, қойларымызды да суўғарып берди, – деп жуўап берди.
20Әкеси оларға:
– Сол адам қай жерде? Оны неге таслап кеттиңиз? Барыңлар, оны аўқатқа шақырып келиңлер, – деди.
21Муўса Реуелдиң мирәтин қабыл етип, оның үйинде жасап қалыўды шешти. Реуел оған қызы Сиппораны ҳаяллыққа берди. 22Сиппора ул туўды ҳәм Муўса: «Мен – жат елде келгинди адам едим», – деп, балаға Гершом[2] деп ат қойды.
23Арадан узақ ўақыт өткеннен соң, Мысыр патшасы өлди. Израиллылар еле қулшылықтан нала шегип, дад салып атырған еди. Олардың қулшылық себепли салған дады Қудайға жетип барды. 24Қудай олардың налаларын еситип, Өзиниң Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимин еске түсирди. 25Қудай израиллылардың аўҳалын көрип, оларды аяды.

 

3

 

Қудайдың Муўсаны шақырыўы

 

1Муўса қәйин атасы, Мидян руўханийи Итроның[3] қойларын бағатуғын еди. Бир күни ол сүриўди шөлдиң түпкирине жайып жүрип, Қудайдың таўы Хоребке келип қалды. 2Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған шеңгел путасы арасында жанып турған оттың жалыны ишинде көринди. Муўса путаның жанып турғанын, бирақ жанып жоқ болып кетпегенин көрди. 3Муўса: «Барып, бул таңқаларлық нәрсени көрейин. Пута неге жанып, жоқ болып кетпей тур екен?» – деп ойлады. 4Жаратқан Ийе Муўсаның қараў ушын жақынлап киятырғанын көргенде, путаның ишинен:
– Муўса, Муўса! – деп шақырды.
– Ләббәй! – деп жуўап берди ол.
5Қудай оған:
– Буннан артық жақынласпа. Аяқ кийимиңди шеш, себеби сен турған жер – мухаддес. 6Мен сениң әкеңниң Қудайыман, және де, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайыман, – деди.
Муўса Қудайға қараўға қорққанлықтан, жүзин жапты.
7Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мен халқымның Мысырда жәбир шегип атырғанын көрдим ҳәм қул жумсаўшылары себепли дад салып атырғанын еситтим. Мен олардың азап шегип атырғанын да билемен. 8Сонлықтан Мен оларды мысырлылардың қолынан қутқарыў ушын келдим. Оларды сол елден шығарып, кең ҳәм өнимдар болған жерге, сүт ҳәм пал ағып турған елге – кенаан, хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине апараман. 9Мине, израиллылардың дады Маған жетип келди ҳәм мысырлылардың оларды қалай езип атырғанын Өзим де көрдим. 10Енди Мен сени халқым болған израиллыларды Мысырдан алып шығыў ушын, фараонға жиберемен.
11Бирақ Муўса Қудайға:
– Фараонға барып, израиллыларды Мысырдан алып шығатуғындай, мен ким болыппан, – деп жуўап берди.
12Ал Қудай оған:
– Мен сениң менен бирге боламан. Сени Мениң жибергенимниң белгиси мынаў болады: халықты Мысырдан алып шыққаныңнан соң, усы таўда Маған сыйынасызлар, – деди.
13Сонда Муўса Оған:
– Мен Израил халқына барып: «Мени сизлерге ата-бабаларыңыздың Қудайы жиберди», – десем, олар меннен: «Оның аты ким?» – деп сораса, мен оларға не деймен? – деди.
14Қудай Муўсаға:
– Мен мәңгиге бар Болыўшыман. Сен израиллыларға: «Мени сизлерге мәңгиге бар Болыўшы жиберди», – деп айт, – деди. 15Қудай Муўсаға және былай деди:
– Сен израиллыларға тағы: «Мени сизлерге ата-бабаларыңыздың Қудайы болған Жаратқан Ийе: Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы ҳәм Яқыптың Қудайы болған мәңгиге бар Болыўшы[4] жиберди», – деп айт. Мениң атым мәңгиге усы болады. Әўладтан-әўладқа Мениң атымды усылай шақырсын. 16Сен бар да, Израил ақсақалларын жыйнап, оларға былай де: «Ата-бабаларыңыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайы болған мәңгиге бар Болыўшы маған көринип, мыналарды айтты: „Мысырда сизлерге нелер исленип атырғанын көрип, сизлерге нәзеримди түсирдим. 17Сизлерди Мысырдағы езиўшиликтен қутқарып, кенаан, хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, сүт ҳәм пал аққан жерге апарыўды шештим“». 18Израилдың ақсақаллары саған қулақ асады. Сен олар менен бирге Мысыр патшасына барып, оған былай деңлер: «Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе бизлерге көринди. Енди шөлде үш күнлик жол жүрип барып, Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўге рухсат бер». 19Бирақ Мен билемен, күшли бир қол мәжбүрлемегенше, Мысыр патшасы кетиўиңизге рухсат бермейди. 20Сонлықтан Мен қолымды созаман ҳәм олардың арасында кәраматлар ислеп, Мысырды жазалайман. Соннан кейин, ол сизлерди азат қылады. 21Халықты мысырлыларға унамлы қылып көрсетемен. Сизлер кеткен ўақтыңызда, қуры қол кетпейсиз. 22Ҳәр бир ҳаял мысырлы қоңсыларынан ҳәм олардың үйинде жасайтуғын мысырлы ҳаялдан гүмис ҳәм алтын безениў буйымларын, кийим-кеншеклер сорап алады. Ул-қызларыңызды олар менен безендиресизлер ҳәм сол тәризде мысырлыларды тонап кетесизлер.

 

4

 

Жаратқан Ийениң Муўсаға нышанлар көрсетиўи

 

1Сонда Муўса Қудайға:
– Олар маған исенбесе ҳәм сөзлериме қулақ салмай: «Жаратқан Ийе саған көринбеди», – десе, не қыламан? – деди.
2Жаратқан Ийе оннан:
– Қолыңдағы не? – деп сорады.
– Таяқ, – деп жуўап берди Муўса.
3Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Оны жерге тасла, – деди.
Муўса таяқты жерге таслағанда, таяқ жыланға айланды. Муўса оннан қашты. 4Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды созып, оның қуйрығынан услап ал, – деди.
Муўса қолын созып, жыланның қуйрығынан услап алғанда, ол және таяққа айланды. 5Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Ата-бабаларының Қудайы, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыптың Қудайы болған Жаратқан Ийениң саған көрингенине олардың исениўи ушын, сен оларға усыны көрсет, – деди.
6Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға және:
– Қолыңды қойныңа тық, – деди.
Муўса қолын қойнына тығып, оны қайтып шығарып алғанда, қолында тери кеселлиги пайда болып, ети қар сыяқлы түлеп кеткен еди.
7Жаратқан Ийе оған тағы:
– Қолыңды және қойныңа тық, – деди.
Муўса және қолын қойнына тығып, оны қайтып шығарғанда, қолы бурынғы ҳалына қайтты. 8Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Егер олар саған исенбесе ҳәм биринши кәраматлы белгиге итибар аўдармаса, онда екиншисине исенеди. 9Ал егер бул еки белгиге де исенбесе ҳәм сөзиңди тыңламаса, онда Нил дәрьясынан суў алып, жерге төк. Дәрьядан алған суўың жерде қанға айланады.
10Муўса Жаратқан Ийеге:
– О, Ийем! Қулың болған мен бурын да, Өзиң мениң менен сөйлесе баслағаннан бери де шешен адам емеспен. Мен майлы тилли де, сөзге шебер де емеспен, – деди.
11Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди:
– Адамға тил берип қойған ким? Адамды гүңелек, герең, көретуғын ямаса соқыр қылатуғын ким? Жаратқан Ийең болған Мен емеспен бе? 12Енди бар! Сөйлегениңде Өзим саған жәрдем берип, не айтыў кереклигин үйретип тураман.
13Муўса Жаратқан Ийеге:
– О, Ийем! Өтинемен, мениң орныма басқа биреўди жибере гөр! – деди.
14Жаратқан Ийениң Муўсаға қәҳәри келип былай деди:
– Лебий урыўынан болған әжағаң Харон бар емес пе? Билемен, ол сөзге шешен. Мине, ол тап ҳәзир сени қарсы алыўға киятыр. Сени көргенде, ол қуўанады. 15Сен оның менен сөйлесип, не айтыў кереклигин оған билдир. Сөйлегениңизде, Өзим сизлерге жәрдем берип, не ислейтуғыныңызды үйретемен. 16Сениң орныңа халыққа Харон сөйлейди. Ол сениң аўзың болады, ал сен ол ушын Қудай орнында боласаң. 17Мына таяғыңды ал, сен оның менен кәраматлы белгилер көрсетесең.

 

Муўсаның Мысырға қайтыўы

 

18Муўса қәйин атасы Итроға қайтып келип, оған:
– Мысырдағы туўысқанларымның қасына қайтыўға рухсат бериң. Барып, олардың аманлығын билейин, – деди.
Итро оған:
– Аман-саў барғайсаң, – деди.
19Жаратқан Ийе Муўсаға Мидян елинде: «Мысырға қайт, себеби жаныңа қаслық етпекши болғанлардың ҳәммеси өлди», – деген еди. 20Солай етип, Муўса ҳаялын ҳәм улларын ешекке миндирип, Қудайдың өзине алыўды буйырған таяғын алып, Мысырға қарай жолға шықты.
21Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мысырға қайтып барғаныңда, Мен саған берген күш пенен фараонның алдында барлық кәраматларды көрсет. Бирақ Мен оның жүрегин тас қыламан ҳәм ол халқымның кетиўине рухсат етпейди. 22Кейин сен фараонға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Израил Мениң улым, туңғыш улым. 23Маған сыйыныўы ушын, улымды жибер, деп саған айтқан едим. Бирақ сен оны жибериўден бас тарттың. Сонлықтан Мен сениң улыңды, туңғыш улыңды өлтиремен“».
24Жолда, олар түнеген жерде, Жаратқан Ийе Муўсаның қасына келип, оны өлтирмекши болды. 25Сонда Сиппора дәрҳал бир тас пышақты алды да, улын сүннет етти. Ол кесип алынған етти Муўсаның аяғына тийгизип:
– Ҳақыйқаттан да, сен усы қан арқалы мениң күйеўимсең, – деди. 26Сонда Жаратқан Ийе Муўсаны аман қалдырды. Ал Сиппора Муўсаға: «Сен қан арқалы мениң күйеўимсең», – деп сүннетке байланыслы айтқан еди.
27Соңынан Жаратқан Ийе Харонға:
– Муўсаны қарсы алыў ушын, далаңлыққа бар, – деди. Харон кетип, Муўса менен Қудайдың таўында ушырасты ҳәм оны сүйди. 28Муўса Жаратқан Ийениң айтыў ушын жиберген ҳәмме сөзлери ҳәм ислеўди буйырған барлық кәраматлы белгилери ҳаққында Харонға айтып берди.
29Муўса менен Харон барып, Израилдың барлық ақсақалларын жыйнады. 30Харон Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқан ҳәмме сөзлерин оларға айтып берди. Муўса да халық алдында кәраматлы белгилер көрсетти. 31Халық исенди ҳәм Жаратқан Ийениң өзлерине нәзер салып, шегип атырған азапларын көргенин еситкенде, Оған тәжим етип, сыйынды.

 

5

 

Муўса ҳәм Харон фараонның алдында

 

1Соңынан Муўса менен Харон фараонға барып, оған:
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Шөлге барып, Маған арнап байрам қылыўы ушын, халқымды жибер», – деди.
2Бирақ фараон оларға:
– Мен айтқанын тыңлап, Израил халқын жиберетуғындай, Жаратқан Ийе ким болыпты? Мен Жаратқан Ийени танымайман, израиллылардың кетиўине де рухсат бермеймен, – деди.
3Сонда Муўса менен Харон:
– Еврейлердиң Қудайы бизлер менен ушырасты. Үш күнлик жол жүрип, шөлде Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық берип қайтыўға рухсат етсеңиз. Болмаса, Ол бизлерге оба кеселлигин жибереди ямаса қылыш пенен жазалайды, – деди.
4Ал Мысыр патшасы оларға:
– Ҳәй, Муўса ҳәм Харон! Неге халықты жумысынан алағада қылып атырсыз? Барың, жумысыңызға қайтың. 5Соншелли көп пуқараларды не ушын жумысынан қалдыражақсыз? – деди.
6Сол күни фараон қул жумсаўшыларына ҳәм израиллы бақлаўшыларға буйрық берип былай деди:
7– Буннан былай, гербиш ислеў ушын халыққа бурынғыдай сабан бермең. Барып, сабанды өзлери жыйнап алсын. 8Бирақ бурын қанша гербиш қуйған болса, ендигиден былай да, сонша гербиш қуйыўды талап етиң. Гербиш санын азайтпаң. Өйткени олар ериншек адамлар болғанлықтан: «Барып, Қудайымызға қурбанлық беремиз», – деп бақырмақта. 9Жумысларын соншелли дәрежеде аўырластырың, олар ис пенен бәнт болып, жалған сөзлерге қулақ аспасын.
10Солай етип, қул жумсаўшылар ҳәм израиллы бақлаўшылар барып, израиллыларға былай деди:
– Фараон былай демекте: «Енди сизлерге сабан бермеймен. 11Сабанды қай жерден тапсаңыз, сол жерден табыңлар. Бирақ қуятуғын гербишиңиздиң муғдары азайтылмайды».
12Солай етип, халық атызлардан сабан жыйнаў ушын пүткил Мысыр бойлап тарап кетти. 13Қул жумсаўшылар оларды қысқыға алып: «Күнделик жумысыңызды сабан берилген күнлердегидей толық орынлаң», – деди. 14Соңынан олар: «Неге сизлер кеше ҳәм бүгин бурынғыдай муғдарда гербиш қуйдырмадыңыз?» – деп өзлери қойған израиллы бақлаўшыларды урды.
15Сонлықтан израиллы бақлаўшылар фараонға барып, оған былай деп нала шекти:
– Неге қулларыңызға бундай қатнас жасап атырсыз? 16Бизлерге сабан бермесе де, гербиш қуйыўды талап етеди. Минекей, қулларыңыз болған бизлер таяқ жеп атырмыз. Ал буған айыплы – сизиң адамларыңыз.
17Бирақ фараон оларға:
– Сизлер ериншексизлер, ериншек! Сол себептен: «Барып, Жаратқан Ийеге қурбанлық беремиз», – деп атырсызлар. 18Қәнекей, барыңлар жумысларыңызға! Сизлерге сабан берилмейди. Ал гербишти белгиленген муғдарда жеткизесизлер, – деди.
19«Күнделикли жеткизилетуғын гербиштиң муғдарын азайтпайсызлар», – деген сөзлерди еситкенде, израиллы бақлаўшылар өзлериниң қыйын аўҳалда екенин түсинди. 20Олар фараонның алдынан шыққаннан кейин, өзлерин күтип турған Муўса менен Харонға дусласып, 21оларға:
– Сизлер бизлерди фараонға ҳәм оның хызметшилерине жаман атлы қылдыңыз. Бизлерди өлтириў ушын, олардың қолларына қылыш услаттыңыз. Бул исиңизди көрип, Жаратқан Ийениң Өзи сизлерди жазаласын, – деди.

 

Жаратқан Ийениң қутқарыўды ўәде етиўи

 

22Сонда Муўса ол жерден кетти ҳәм Жаратқан Ийениң алдына барып, былай деди:
– О, Ийем! Не ушын бул халықты бәлеге дуўшар қылдың? Мени не ушын жибердиң? 23Фараонға барып, Сениң атың менен сөйлеген күнимнен бери, фараон бул халықты бәлеге дуўшар қылмақта. Ал Сен Өз халқыңды қутқарыў ушын ҳеш нәрсе ислемедиң.

 

6

 

1Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Енди сен фараонға не ислейтуғынымды көресең. Ол Мениң қүдиретли қолым себепли Израил халқын азат етеди, ҳәтте, қүдиретли қолым себепли оларды өзи елинен қуўып шығарады, – деди.

 

Қудайдың Муўсаны және шақырыўы

 

2Қудай Муўсаға және былай деди:
– Мен – Жаратқан Ийемен. 3Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа Қүдирети күшли Қудай болып көриндим. Бирақ Мен оларға Өзимди Жаратқан Ийе деген атым менен танытпадым. 4Өзлери келгинди болып жасаған Кенаан жерин оларға бериў ушын, Мен олар менен келисим дүздим. 5Енди болса, мысырлылар қул қылған израиллылардың налаларын еситип, келисимимди еске алдым. 6Солай етип, израиллыларға былай де: Мен – Жаратқан Ийемен. Сизлерди мысырлылардың аўыр жумысынан азат етип, олардың қуллығынан алып шығаман. Оларды қатаң жазалап, сизлерди күшли қолым менен қутқарып аламан. 7Сизлерди Өз халқым қыламан ҳәм Өзим сизлердиң Қудайыңыз боламан. Сонда сизлер Мениң өзлериңизди мысырлылардың аўыр жумысынан азат қылған Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар. 8Сизлерди Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен деп Өзим ант ишкен жерге апараман. Ол жерди сизлерге мүлик етип беремен. Мен – Жаратқан Ийемен.
9Муўса бул сөзлерди израиллыларға айтып берди. Бирақ олар руўхый түскинликте болып, аўыр қулшылықта жүргенликтен, Муўсаны тыңламады. 10Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
11– Мысыр патшасы фараонға барып: Израиллылардың жериңнен кетиўине рухсат бер, – деп айт, – деди. 12Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге:
– Мен сөзге шешен емеспен. Сөзимди израиллылар тыңламағанда, фараон қалай тыңласын? – деди.
13Деген менен, Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харон менен сөйлесип, израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын, израиллыларға ҳәм Мысыр патшасы фараонға байланыслы буйрықлар берди.

 

Муўса ҳәм Харонның шежиреси

 

14Израиллылардың әўлад басшылары мыналар еди: Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон, Кармий. Булар Рубенниң тийрелери еди. 15Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм кенаанлы бир ҳаялдан туўылған улы Шаул. Булар Шимонның тийрелери еди. 16Урпақлары бойынша, Лебийдиң улларының атлары мыналар еди: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий. Лебий 137 жыл өмир сүрди. 17Гершонның уллары: ҳәр бири тийре басшысы болған Либний менен Шимей. 18Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел. Қоҳат 133 жыл өмир сүрди. 19Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Шежиреси бойынша, Лебийдиң тийрелери усылар еди.
20Амрам әкесиниң қарындасы Йохебедке үйленип, Йохебед оған Харон менен Муўсаны туўып берди. Амрам 137 жыл өмир сүрди. 21Исҳардың уллары: Қорах, Нефег ҳәм Зихрий. 22Уззиелдиң уллары: Мишаел, Элсафан ҳәм Ситрий. 23Харон Нахшонның қарындасы, Амминадабтың қызы Элишебаға үйленди. Элишеба оған Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды туўып берди. 24Қорахтың уллары: Ассир, Элқана ҳәм Абиасаф. Булар Қорахтың үрим-путағы еди. 25Харонның улы Элазар Путиелдиң қызларының бирине үйленди. Ҳаялы оннан Пинехасты туўды. Тийрелерге бөлинген Лебий урыўының әўлад басшылары усылар еди.
26Усы Муўса менен Харонға Жаратқан Ийе: «Израиллыларды топ-тобы менен Мысырдан алып шығыңлар», – деген еди. 27Израиллыларды Мысырдан алып шығыў ушын, Мысыр патшасы фараон менен сөйлескенлер де усы Муўса менен Харон еди.

 

Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығы

 

28Жаратқан Ийе Мысырда Муўса менен сөйлескенинде, 29оған: «Мен – Жаратқан Ийемен. Саған айтатуғынларымның ҳәммесин Мысыр патшасы фараонға жеткиз», – деген еди. 30Сонда Муўса Жаратқан Ийениң алдында Оған: «Мен сөзге шешен емеспен. Мени фараон тыңлайтуғын ба еди?» – деп жуўап берген еди.

 

7

 

1Бирақ Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Минекей, Мен сени фараон ушын Қудай сыяқлы қылдым, ал әжағаң Харон сениң пайғамбарың болады. 2Саған буйырғанларымның ҳәммесин әжағаңа айт. Ол фараон менен сөйлесип: «Израиллылардың Мысыр жеринен кетиўине рухсат бер», – деп айтсын. 3Деген менен, Мен фараонның жүрегин қатал қылып, Мысырда көп белгилеримди ҳәм кәраматларымды көрсетемен. 4Солай болса да, фараон сизлерди тыңламайды. Сонда Мен қолымды Мысырға созып, оларды қатаң жазалайман ҳәм халқым Израилды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шығаман. 5Мысырға қарсы қолымды көтерип, израиллыларды олардың арасынан алып шыққанымда, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
6Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. 7Фараон менен сөйлескенде, Муўса сексен, ал Харон сексен үш жаста еди.

 

Харонның таяғының жыланға айланыўы

 

8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
9– Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады.
10Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды. 11Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи. 12Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди. 13Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.

 

Биринши жаза: суўдың қанға айланыўы

 

14Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонның жүреги қатал болып тур. Ол халықты жибериўден бас тартып атыр. 15Ертеңине азанда бар да, фараон Нил дәрьясына қарай шыққанда, жыланға айланған таяғыңды алып, дәрья жағасында оның жолын тосып тур. 16Кейин фараонға былай де: «„Шөлде Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер“, – деп айтыўым ушын, еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе мени саған жиберди. Бирақ сен усы ўақытқа шекем қулақ аспадың. 17Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: „Мениң Жаратқан Ийе екенимди мынадан билип аласаң: минекей, қолымдағы таяқ пенен дәрьяның суўына урсам, суў қанға айланады. 18Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасып кетеди ҳәм мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалады“».
19Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Харонға айт, ол таяғын алып, оны Мысырдың суўлары үстине – дәрьялары, өзеклери, көллери ҳәм барлық ҳаўызлары үстине созсын. Олардағы, ҳәтте, пүткил Мысырдағы ағаш ҳәм тас ыдыслардағы суўлар да қанға айланады.
20Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон фараон ҳәм оның хызметшилериниң көз алдында таяқты көтерип, Нил дәрьясының суўына урып жибергенде, ондағы барлық суўлар қанға айланды. 21Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасый баслады. Мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалды. Мысырдың ҳәмме жерин қан жайлап кетти. 22Бирақ мысырлы сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай иследи. Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады. 23Фараон артына бурылып, сарайына қайтып кетти. Бул ўақыя да оған тәсир етпеди. 24Пүткил мысырлылар ишетуғын суў табыў ушын, дәрья бойын қазыўға киристи. Өйткени олар дәрьяның суўын ише алмайтуғын еди.
25Жаратқан Ийе Нил дәрьясының суўын қанға айландырғаннан кейин, арадан жети күн өтти.

 

8

 

Екинши жаза: қурбақалар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға барып, Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Жаратқан Ийе былай дейди: Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер халқымды жибериўден ўаз кешсең, пүткил елиңди қурбақаларға толтырып, жазалайман. 3Нил дәрьясы қурбақаларға толып-тасып кетеди. Қурбақалар дәрьядан шығып, сарайыңа, уйықлайтуғын бөлмеңе, төсегиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үйлерине, ҳәтте, тандырларың менен қамыр табақларыңа да кирип алады. 4Олар сениң, халқыңның ҳәм пүткил хызметшилериңниң үстинде секирип жүреди».
5Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Харонға айт, ол қолындағы таяғын дәрьялар, өзеклер ҳәм көллерге қарай созып, қурбақаларды шығарсын ҳәм Мысырды қурбақаларға толтырсын, – деди.
6Солай етип, Харон қолындағы таяғын Мысырдағы суўларға қарай созды. Сонда қурбақалар шығып, Мысырды жайлап кетти. 7Деген менен, сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай ислеп, Мысыр елине қурбақаларды шығарды.
8Фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып:
– Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер, Ол меннен ҳәм халқымнан қурбақаларды алып тасласын. Сонда мен де Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўи ушын, халқыңызды жиберемен, – деди.
9Муўса оған:
– Әжеп болады, ўақытты өзиңиз белгилең. Қурбақалар тек Нил дәрьясында қалып, өзиңиз де, үйиңиз де қурбақалардан қутылыўыңыз ушын, мен сиз, хызметкерлериңиз ҳәм халқыңыз ушын қашан дуўа етейин, – деди.
10Фараон Муўсаға:
– Ертең, – деди.
Муўса оған былай деп жуўап берди:
– Яқшы, айтқаныңыздай болсын. Усылайынша, сиз Қудайымыз болған Жаратқан Ийеге тең келетуғыны жоқ екенин билип аласыз. 11Қурбақалар сизден, үйлериңизден, хызметкерлериңиз бенен халқыңыздан кетип, тек дәрьяда ғана қалады.
12Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдынан кетти. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оның фараонға жиберген қурбақа бәлеси ушын жалбарынды. 13Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлады: үйлердеги, ҳәўлилердеги ҳәм атызлардағы қурбақалар қырылып қалды. 14Қурбақаларды жыйнап, үйин-үйин етип қойды. Сасық ийис елди жайлап кетти. 15Деген менен, фараон жағдайдың жеңиллескенин көргенде, Жаратқан Ийениң айтқанындай жүрегин қатал етип, Муўса менен Харонды тыңламады.

 

Үшинши жаза: ширкейлер

 

16Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Харонға айт, ол таяғы менен жерди урсын. Сонда жердиң шаңы ширкейге айланып, пүткил Мысырды қаплайды, – деди.
17Олар солай иследи. Харон таяғы менен жердиң шаңын урып жибергенде, пүткил Мысыр жериндеги шаң ширкейге айланды. Адамлар менен маллардың үстин ширкейлер басып кетти. 18Сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен ширкейлер пайда етпекши болды, бирақ қолларынан келмеди. Адамлардың ҳәм маллардың үстин ширкей қаплаған еди.
19Сонда сыйқыршылар фараонға:
– Бул исте Қудайдың қолы бар, – деди. Бирақ Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, Муўса менен Харонды тыңламады.

 

Төртинши жаза: ийтшыбынлар

 

20Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Таң азаннан тур да, фараон дәрьяға қарай баратырғанда, оның алдынан шығып тур ҳәм оған Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 21Егер жибермесең, сениң, хызметшилериңниң, халқыңның ҳәм үйлериңниң үстине ийтшыбын жаўдыраман. Мысырлылардың үйлери ҳәм олар жасап атырған жер ийтшыбынға толып кетеди. 22Бирақ сол күни халқым жасайтуғын Гошен жерин айырып қояман. Ол жерде ийтшыбын болмайды. Усылай етип, сен Мысыр жеринде Жаратқан Ийениң, яғный Мениң бар екенимди билип аласаң. 23Мен Өз халқым менен сениң халқыңның арасына айырмашылық қояман. Ертең усы белги әмелге асады».
24Жаратқан Ийе айтқанын иследи. Фараонның сарайына, хызметкерлериниң үйлерине ҳәм пүткил Мысыр елине быжнаған ийтшыбынлар ушып келди. Ел ийтшыбынның кесиринен ўайран болды.
25Сонда фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға:
– Барыңлар, Қудайыңызға усы елде қурбанлық бериңлер, – деди.
26Бирақ Муўса оған былай деп жуўап берди:
– Булай ислесек, туўры болмайды. Өйткени мысырлылар Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўимизди жеркенишли деп санайды. Егер олар жеркенишли деп санаған нәрсени көз алдында ислесек, олар бизлерди тас боран қылып өлтирмей ме? 27Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, бизлер шөлде үш күнлик жол жүрип барыўымыз керек.
28Сонда фараон:
– Шөлде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўиңиз ушын, сизлерди жиберемен. Тек жүдә узақлап кетпеңлер. Енди мен ушын дуўа етиңлер, – деди.
29Муўса оған:
– Ертең сизден, хызметкерлериңизден ҳәм халқыңыздан ийтшыбынлар кетсин деп, сизиң алдыңыздан шығыўдан-ақ, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Тек сиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын халықты жибермей қалып, бизлерди және алдамаң, – деди.
30Солай етип, Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 31Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлап, ийтшыбынларды фараоннан, оның хызметкерлеринен ҳәм халқынан алып таслады. Бирде бир ийтшыбын қалмады. 32Солай болса да, фараон бул рет те жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.

 

9

 

Бесинши жаза: маллардың қырылыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға барып, оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер жибериўден бас тартып, оларды иркип тура берсең, 3онда Жаратқан Ийе, яғный Мен қолымды созып, даладағы малларыңа: атларыңа, ешеклериңе, түйелериңе, ири ҳәм майда малларыңа күшли оба жиберемен. 4Бирақ израиллылардың малларын мысырлылардың малларынан айырып қояман. Израиллылардың малларының ҳеш бири өлмейди. 5Жаратқан Ийе ўақытты да белгилеп, ертеңине Өзиниң айтқанларын Мысыр жеринде ислейтуғынын айтты».
6Ертеңине Жаратқан Ийе айтқанын иследи: мысырлылардың барлық маллары қырылып қалды. Бирақ израиллылардың ҳеш бир малы өлмеди. 7Фараон адам жиберип, израиллылардың бирде бир малының өлмегенин билди. Солай болса да, ол жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.

 

Алтыншы жаза: шыйқанлар

 

8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
– Пештен қосыўыслап күл алыңлар, Муўса сол күлди фараонның көз алдында аспанға қарай шашып жиберсин. 9Күл шаңға айланып, пүткил Мысыр ели бойлап көтериледи. Елдиң ҳәмме жериндеги адамлардың ҳәм маллардың үстилерине ириңли шыйқанлар шығады.
10Солай етип, Муўса менен Харон пештен күл алып, фараонның көз алдында турды. Муўса күлди аспанға қарай шашып жибергенде, адамларға ҳәм малларға ириңли шыйқанлар шықты. 11Сыйқыршылар да шыйқанның кесиринен Муўсаның алдына келе алмады. Себеби пүткил мысырлылар менен бирге оларға да шыйқан шыққан еди. 12Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылды. Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, фараон Муўса менен Харонды тыңламады.

 

Жетинши жаза: буршақ

 

13Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Таң азанда фараонның қарсы алдына шығып тур ҳәм оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 14Болмаса, бул рет сениң өзиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үстине барлық бәлелеримди жаўдыраман. Солай етип, сен бул дүньяда Маған тең келетуғыны жоқ екенин билип аласаң. 15Өйткени Мен қолымды көтерип, сени ҳәм халқыңды қырғынға дуўшар қылсам, жер жүзинен жоқ болып кеткен болар едиң. 16Бирақ Өз қүдиретимди саған көрсетиў ушын ҳәм атымды пүткил дүньяға жайыў ушын, Мен сени тири сақладым. 17Сен еле де халқыма қарсылық көрсетип, оларды жибермей атырсаң. 18Сонлықтан ертең усындай ўақытта Мысыр пайда болғаннан баслап, ҳәзирге дейин ҳеш қашан болып көрмеген күшли буршақ жаўдыраман. 19Енди малларыңды ҳәм далада болған ҳәмме нәрсеңди пана жерлерге жыйнаўды буйыр. Буршақ жаўғанда ишке киргизилмей далада қалған барлық адамлар ҳәм маллар өледи».
20Фараонның хызметкерлери арасында Жаратқан Ийениң айтқан сөзинен қорққанлар қулларын ҳәм малларын тезлик пенен үйлерине алып келди. 21Ал Жаратқан Ийениң айтқан сөзин писент етпегенлер қулларын ҳәм малларын далада қалдырды.
22Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды аспанға қарай соз. Сонда Мысырдың ҳәмме жерине, адамлардың, маллардың ҳәм даладағы барлық өсимликлердиң үстине буршақ жаўады, – деди. 23Муўса таяғын аспанға қарай созғанда, Жаратқан Ийе гүлдирмама ҳәм буршақ жиберди ҳәм жерге жасыл түсти. Солай етип, Жаратқан Ийе Мысырға буршақ жаўдырды. 24Усылайынша, күшли буршақ қуйып, үзликсиз жарқыраған шақмақ шағып турды. Мысыр Мысыр болғалы, бундай буршақ жаўып көрмеген еди. 25Буршақ Мысырда далада болғанның ҳәммесин: адамларды, малларды ҳәм пүткил өсимликлерди набыт қылып, барлық тереклерди сындырды. 26Тек израиллылар жасаған Гошен жерине буршақ жаўмады.
27Соңынан фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға былай деди:
– Бул рет мен айып иследим. Жаратқан Ийе ҳақ, ал мен ҳәм мениң халқым наҳақпыз. 28Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Гүлдирмама менен буршақтың усы жаўғаны да жетер. Мен сизлерди жиберемен, артық услап турмайман.
29Муўса оған былай деди:
– Қаладан шыға сала, қолларымды жайып, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Сонда гүлдирмама тоқтап, буршақ та жаўмайтуғын болады. Бул арқалы сиз бул дүньяның Жаратқан Ийеге тийисли екенин билип аласыз. 30Бирақ мен сизиң ҳәм хызметкерлериңиздиң Қудайдан, Жаратқан Ийеден еле де қорқпай атырғаныңызды билемен.
31Солай етип, зығыр ҳәм арпа набыт болған еди. Себеби сол ўақытта арпа масақ байлап, зығыр гүллеп қалған еди. 32Бирақ бийдай туқымлас өсимликлер кеш писетуғын болғанлықтан, зыян көрмеди.
33Муўса фараонның алдынан кетип, қаладан шықты. Ол қолларын жайып, Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, гүлдирмама ҳәм буршақ тоқтап, жаўын тынды. 34Фараон жаўынның, буршақтың ҳәм гүлдирмаманың тоқтағанын көргенде, және гүна ислеўин даўам етти. Оның өзи де, хызметкерлери де жүреклерин қатал қылды. 35Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, израиллыларды жибермеди.

 

10

 

Сегизинши жаза: шегирткелер

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға бар. Олардың арасында кәраматлы белгилеримди көрсетиў ушын, Мен фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң жүрегин қатал қылып қойдым. 2Ал сизлер болса, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алыўыңыз ушын, мысырлыларды қалай масқара еткеним ҳәм олардың арасында көрсеткен нышанларым ҳаққында балаларыңа ҳәм балаларыңның балаларына айтып бериң.
3Муўса менен Харон фараонға барып, оған былай деди:
– Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Қашанға дейин Маған бас иймейжақсаң? Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 4Халқымды жибериўден бас тартсаң, ертең елиңе шегирткелерди жиберемен. 5Олардың жер бетин қаплайтуғыны соншелли, жер бети көринбей қалады. Олар буршақтан аман қалған өнимлериңизди ҳәм даладағы барлық тереклериңиздиң қалған жапырақларын жеп қояды. 6Сениң үйлериң, барлық хызметкерлериңниң ҳәм пүткил мысырлылардың үйлери шегирткеге толып кетеди. Ата-бабаларың усы жерге қоныс басқан күннен бүгинге дейин, ҳеш қашан бундай нәрсени көрген емес». Кейин Муўса бурылып, фараонның қасынан шығып кетти.
7Сонда хызметкерлери фараонға:
– Бул адам қашанға дейин бизлерди қыйнайды? Оларды жибериң. Барып, Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынсын. Мысырдың набыт болып атырғанын еле түсинбей атырсыз ба? – деди.
8Солай етип, олар Муўса менен Харонды фараонның алдына және шақыртып алды. Фараон оларға:
– Барыңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бирақ, кимлер баражақ? – деди.
9Муўса оған:
– Бизлер жас ҳәм ғаррымыз, улларымыз, қызларымыз, майда ҳәм ири малларымыз, ҳәммемиз бирге кетемиз. Өйткени Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыўымыз керек, – деди.
10Фараон оларға:
– Аўа, сизлерге Жаратқан Ийе яр болсын деп, бала-шағаларыңыз бенен бирге жиберейин бе? Әне, нийетиңиз қара екени көринип тур! 11Бул болмайды. Тек ер адамлар кетип, Жаратқан Ийеге сыйынсын. Сизлердиң сорағаныңыз да сол емес пе? – деди.
Соң Муўса менен Харон фараонның алдынан қуўып шығарылды.
12Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды Мысыр елине қарай соз. Елди шегиртке қапласын ҳәм буршақтан аман қалған барлық өсимликлерди жеп қойсын, – деди. 13Солай етип, Муўса таяғын Мысыр елине қарай созды. Жаратқан Ийе сол күни күндиз-түни удайына елде шығыс самалын естирди. Азан болғанда, шығыс самалы шегирткелерди алып келди. 14Шегирткелер Мысырға ҳүжим жасап, оның ҳәмме жерин жайлап кетти. Олардың көп болғаны соншелли, бундай есап-сансыз шегиртке бурын болмаған да, буннан былай болмайды да. 15Шегирткелер жер бетин басып кеткенликтен, жер қап-қара болып қалды. Олар барлық өсимликлерди, буршақтан аман қалған тереклердеги мийўелердиң ҳәммесин жеп қойды. Мысырдың ҳеш бир жеринде, я тереклерде болып, я даладағы өсимликлерде болып, жасыл жапырақ қалмады.
16Фараон тезлик пенен Муўса менен Харонды шақыртты да, оларға былай деди:
– Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм сизлерге қарсы гүна иследим. 17Өтинемен, және бир мәртебе гүнамды кеширип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Ол мени бул өлим әкелетуғын апаттан қутқарсын.
18Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 19Сонда Жаратқан Ийе самалдың бағытын өзгертип, батыс жақтан күшли самал естирди. Самал шегирткелерди көтерип апарып, Қамыс теңизине[5] төкти. Пүткил Мысыр елинде бирде бир шегиртке қалмады. 20Деген менен, Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал етип қойғанлықтан, ол израиллыларды жибермеди.

 

Тоғызыншы жаза: қара түнек

 

21Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды аспанға қарай соз, Мысыр елин тас түнек қараңғылық қаплайды, – деди. 22Муўса қолын аспанға қарай созғанда, Мысырды үш күн бойы қойыў қараңғылық қаплады. 23Үш күн даўамында адамлар бир-биреўин көре алмай қалып, ҳеш ким орнынан қозғала алмады. Бирақ израиллылар жасаған жер ғана жақты болды.
24Сонда фараон Муўсаны шақыртып алып, оған:
– Барыңлар, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бала-шағаңыз сизлер менен кете берсин. Тек майда ҳәм ири малларыңыз қалсын, – деди.
25Деген менен, Муўса оған былай деди:
– Болмайды! Малларымызды да алып кетиўимизге рухсат бериўиңиз керек. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар беремиз. 26Малларымызды да бирге алып кетемиз. Бул жерде бирде бир туяқ қалмаўы тийис. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге сыйыныўымыз ушын, шалынатуғын малды олардың ишинен аламыз. Ол жерге барғанымызша, Жаратқан Ийеге қайсы малларды бериўимиз кереклигин билмеймиз.
27Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды жибергиси келмеди. 28Фараон Муўсаға:
– Қараңды батыр. Енди қайтып көзиме көринбе. Көзиме көринген күни-ақ, өлесең, – деди.
29Муўса оған:
– Айтқаныңыздай болсын. Енди қайтып, көзиңизге көринбеймен, – деди.

 

11

 

Оныншы жаза: туңғышлардың өлтирилиўи

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонның басына ҳәм Мысыр елине және бир бәле жаўдыраман. Соннан кейин, ол кетиўиңизге рухсат етеди, ҳәтте, сизлерди бул жерден пүткиллей қуўып шығарады. 2Сен израиллыларға айт, ҳәр бир ер адам ҳәм ҳәр бир ҳаял қоңсысынан гүмис ҳәм алтын буйымларды сорап алсын.
3Жаратқан Ийе Израил халқын мысырлыларға унамлы етип көрсетти. Муўса да Мысырда фараонның хызметкерлериниң ҳәм халқының алдында мәртебели еди.
4Солай етип, Муўса фараонға:
– Жаратқан Ийе былай дейди: «Түнниң ярымында Мысырды аралап өтемен. 5Сонда Мысырдағы ҳәмме туңғыш уллар: тахтында отырған фараонның баласынан, дигирман тартатуғын шоры ҳаялдың баласына дейин, сондай-ақ барлық маллардың туңғыш төллери өледи. 6Пүткил Мысыр ели бурын болмаған ҳәм енди қайтып болмайтуғын дад салып ўай-ўайласқан даўысларға толып кетеди. 7Ал израиллылардың ҳеш бир адамына, я малына ҳеш қандай зыян тиймейди. Усы арқалы сизлер Мениң, Жаратқан Ийениң израиллылар менен мысырлылар арасына қандай айырмашылық қойғанымды билип аласыз». 8Сонда мына хызметкерлериңниң ҳәммеси келип, маған тәжим етип: «Сен де кет, сениң изиңе ерген пүткил халық та кетсин», – дейсизлер. Соннан соң, мен кетемен, – деди. Муўса фараонның алдынан қатты қәҳәрленип шығып кетти.
9Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Мысырда Мениң кәраматларым көбейиўи ушын, фараон сизлерди тыңламайды, – деди. 10Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдында усы барлық кәраматларды иследи. Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды өз жеринен жибермеди.

 

12

 

Қутқарылыў асы

 

1Жаратқан Ийе Мысыр жеринде Муўса менен Харонға былай деди: 2«Бул ай сизлер ушын биринши ай, жылдың биринши айы болады. 3Пүткил Израил жәмийетине айтыңлар: усы айдың онында ҳәр бир хожалық басшысы өз хожалығы ушын бир қой ямаса ешки таңлап алсын. 4Егер бир хожалықтағы адамлар саны усы жанлықтың гөшин жеп таўыса алмайтуғындай аз болса, онда оны жақын қоңсысы менен бөлиссин. Жанлықтың үлкен-кишилигине қарап, оны қанша адамның жей алатуғынын анықлаўыңыз керек. 5Сизлер таңлап алған қой ямаса ешки минсиз, бир жыллық еркек жанлық болсын. 6Жанлықты усы айдың он төртине дейин бағып, сол күни кеште Израил жәмийетиниң ҳәр бир шаңарағы өз жанлықларын сойыўы тийис. 7Олар қанды алып, өзлери гөшти жейтуғын үйлериниң қапысының жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жақсын. 8Сол күни кеште гөшти отқа писирип, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин. 9Гөшти шийкилей ямаса суўға писирип емес, ал бас-сыйрағы ҳәм ишек-қарны менен бирге отқа писирип жеңлер. 10Гөш азанға дейин қалмаўы тийис. Егер оннан аўысып қалса, оны отта өртеп жибериңлер. 11Сизлер гөшти жеп атырған ўақтыңызда, беллериңиз буўыўлы, аяқ кийимиңиз кийиўли, таяғыңыз қолыңызда болсын. Гөшти тез жеңлер. Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў асы.
12Мен сол түни Мысыр жеринен өтемен. Ондағы адамлардың да, маллардың да ҳәр бир туңғышын өлтиремен ҳәм Мысырдың пүткил қудайларын ҳүким етемен. Мен – Жаратқан Ийемен. 13Өзлериңиз турған үйлердиң есигиниң жақлаўларына жағылған қан сизлер ушын нышан болады. Мен қанды көрип, сизлерди шетлеп өтемен. Мысыр елин жазалағанымда, өлим әкелиўши апат сизлерге ҳеш қандай зыян тийгизбейди. 14Бул күн сизлер ушын еслеў күни болсын. Оны Жаратқан Ийениң байрамы сыпатында байрамлаңлар. Бул байрамды байрамлаў келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын».

 

Ашытқысыз нан байрамы

 

15«Жети күн ашытқысыз нан жеңлер. Биринши күни-ақ үйлериңизден ашытқыны жоқ қылыңлар. Ким де ким усы жети күн ишинде ашытқы салынған нан жесе, ол Израил халқы арасынан жоқ қылынады. 16Биринши ҳәм жетинши күнлери мухаддес жыйналысыңыз болсын. Сол күнлери тек өзлериңиз ушын аўқат таярлаўдан тысқары, ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. 17Солай етип, сизлер Ашытқысыз нан байрамын байрамлаңлар! Өйткени анық сол күни Мен сизлерди топ-тобыңыз бенен Мысыр жеринен алып шықтым. Келешек урпақларыңыз бул күнди мәңги қағыйда сыпатында байрамласын. 18Биринши айдың он төртинши күниниң кешинен жигирма биринши күниниң кешине дейин ашытқысыз нан жеңлер. 19Сол жети күн даўамында үйлериңизде ашытқы болмасын. Ким де ким ашытқы салынған бир нәрсе жесе, мейли ол келгинди болсын, мейли жергиликли болсын, ол Израил жәмийети арасынан жоқ қылынады. 20Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, ашытқысыз нан жеңлер».

 

Биринши Қутқарылыў асы

 

21Соннан кейин, Муўса Израилдың барлық ақсақалларын шақырып алып, оларға былай деди:
– Хожалығыңыз ушын қозы ямаса ылақ таңлап алып, оны Қутқарылыў асы ушын сойыңлар. 22Соң, бир баў майоран шөбин[6] алың да, оны қырмадағы қурбанлықтың қанына батырып, қанды қапыларыңыздың жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жағыңлар. Азанға шекем ҳеш ким үйинен шықпасын. 23Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтириў ушын елден өткенде, қапыларыңыздың жақлаўларындағы ҳәм кесе ағашындағы қанды көрип, үйлериңизди шетлеп өтеди. Ол өлим әкелиўшиниң үйлериңизге кирип, сизлерди өлтириўине жол қоймайды. 24Өзлериңиз де, сизлердиң әўладларыңыз да буны мәңги қағыйда қылып орынлаңлар. 25Жаратқан Ийе өзлериңизге беремен деп ўәде еткен жерге киргениңизден кейин де, бул рәсимди өткизип барыңлар. 26Балаларыңыз сизлерден: «Бул рәсимниң мәниси қандай?» – деп сорағанда, 27оларға: «Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамының асы. Себеби Жаратқан Ийемиз мысырлыларды өлтиргенде, үйлеримизди шетлеп өтип, бизлерди аман қалдырды», – деңлер.
Сонда халық тәжим етип, сыйынды. 28Соңынан израиллылар барып, Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады.
29Түнниң ярымында Жаратқан Ийе тахтында отырған фараонның туңғыш баласынан, қамақта отырған тутқынның туңғыш баласына дейин, Мысыр елиндеги барлық туңғышларды ҳәм маллардың да туңғыш төллерин өлтирди. 30Сол күни түнде фараон, оның хызметкерлери ҳәм пүткил Мысыр аяққа турды. Мысыр ели дад салып, ўай-ўайласқан даўысларға толып кетти. Өйткени өли болмаған бирде бир үй жоқ еди.

 

Мысырдан шығыў

 

31Сол күни түнде-ақ фараон Муўса менен Харонды шақырып алып былай деди:
– Барыңлар! Сизлер де, израиллылар да халқымның арасынан шығып кетиңлер. Өзлериңиз айтқаныңыздай, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. 32Сондай-ақ майда ҳәм ири малларыңызды да алып кетиңлер. Ал маған пәтия бериңлер.
33Израиллылардың елден тезирек шығып кетиўи ушын, мысырлылар оларды асықтырды. «Болмаса, ҳәммемиз өлемиз», – дести олар. 34Солай етип, израиллылар еле ашымаған қамырларын табағы менен кийимлерине орады да, ийинлерине көтерип алды. 35Израиллылар Муўсаның айтқаны бойынша, мысырлылардан гүмис ҳәм алтын буйымлар менен кийимлер сорап алды. 36Жаратқан Ийе израиллыларды мысырлыларға унамлы қылып көрсеткенликтен, мысырлылар оларға сорағанын берди. Солай етип, израиллылар оларды тонап кетти.
37Израиллылар Рамсестен Суккотқа қарай жол алды. Бала-шағаларды есапламағанда, шама менен алты жүз мыңдай ер адам пияда жолға шықты. 38Және де, көп санлы басқа миллет адамлары, есап-сансыз майда ҳәм ири маллар да олар менен бирге кетти. 39Халық өзлери Мысырдан алып шыққан ашымаған қамырдан нан писирди. Себеби олар Мысырдан қуўып шығарылғанлықтан, қамырды ашытыўға да, жолға азық-аўқат таярлаўға да үлгере алмаған еди.
40Израиллылардың Мысырда жасағанына төрт жүз отыз жыл болған еди. 41Төрт жүз отыз жылдың соңғы күни, анық сол күни Жаратқан Ийениң халқы топ-тобы менен Мысыр жеринен шықты. 42Сол күни түнде Жаратқан Ийе израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын сергек болды. Израиллылар да әўладлар даўамында сол түнди Жаратқан Ийеге бағышлап, ояў болыўы тийис.

 

Қутқарылыў асының қағыйдалары

 

43Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: «Қутқарылыў асының қағыйдалары мынадай: ҳеш бир жат жерли адам байрам асынан жемесин. 44Бирақ сатып алған қулларыңыз сүннет етилгеннен кейин, оннан жесе болады. 45Ўақытша қоныс басқанлар ҳәм жалланған жумысшылар оннан жемеўи тийис. 46Ас таярланған үйде желинсин. Жанлықтың гөши үйдиң сыртына шығарылмасын ҳәм оның ҳеш бир сүйеги сындырылмасын. 47Пүткил Израил жәмийети Қутқарылыў байрамын байрамлаўы тийис. 48Араңызда жасап атырған келгинди адам Маған, Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаўды қәлесе, онда оның үйиндеги ҳәмме еркеклер сүннет етилиўи керек. Соңынан ол жергиликли халық турғыны сыпатында Израил халқына қосылып, байрамды байрамлай алады. Бирақ сүннетсиз адам Қутқарылыў байрамының гөшин жемесин. 49Жергиликли адам ушын да, араңызда жасайтуғын келгинди адам ушын да бир қағыйда қолланылады».
50Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады. 51Сол күнниң өзинде Жаратқан Ийе израиллыларды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шықты.

 

13

 

Туңғыш уллардың Қудайға бағышланыўы

 

1Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2«Барлық биринши туўылғанларды Маған бағышлаңлар. Израил ҳаялларының да, малларының да қарыннан биринши шыққанлары Меники», – деди.
3Муўса халыққа былай деди: «Мысырдан, өзлериңиз қул болған елден шыққан бүгинги күнди есте сақлаңлар. Өйткени Жаратқан Ийе қүдиретли қолы менен сизлерди ол жерден алып шықты. Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. 4Бүгин Абиб[7] айында бул жерден шығып баратырсызлар. 5Жаратқан Ийе сизлерди кенаан, хетт, амор, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен, сүт ҳәм пал аққан елге апарғанда, усы айда мына рәсимди өткизиңлер: 6жети күн ашытқысыз нан жеп, жетинши күни Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыңлар. 7Сол жети күн ишинде тек ашытқысыз нан жеңлер. Өзиңизде де, жасап атырған пүткил жериңизде де ашытқы салынған нан ямаса ашытқы болмасын. 8Сол күни балаларыңызға: „Мысырдан шыққанымызда, Жаратқан Ийе бизлер ушын ислеген ислери себепли буларды ислеп атырмыз“, – деп түсиндириңлер. 9Бул рәсим қолыңызда бир нышан, маңлайыңызда сақланатуғын яднама болсын. Усылайынша, Жаратқан Ийениң нызамы аўзыңызда болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди күшли қолы менен Мысырдан алып шықты. 10Сизлер де ҳәр жылы белгиленген ўақытта бул қағыйданы орынлаңлар.
11Жаратқан Ийе сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерди Кенаан жерине апарып, сизлерге сол жерди бергенде, 12қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммесин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малларыңыздың биринши туўылған барлық еркек төллери Жаратқан Ийеге тийисли. 13Ешектиң ҳәр бир биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын үзиң. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.
14Келешекте улларыңыз сизлерден: „Буның мәниси қандай?“ – деп сораса, оларға былай деп жуўап бериңлер: „Жаратқан Ийе бизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан, бизлер қул болған елден алып шықты. 15Фараон бизлерди жибермей, қайсарлық көрсеткенде, Жаратқан Ийе Мысырда адамлардың ҳәм маллардың барлық туңғышларын өлтирди. Сонлықтан маллардың туңғыш төллерин Жаратқан Ийеге қурбанлыққа беремиз, ал туңғыш улларымыз ушын қун төлеймиз“. 16Бул рәсим қолыңызда бир нышан, есиңизде сақланатуғын яднама болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан алып шықты».

 

Қамыс теңизинен өтиў

 

17Фараон израиллыларды жибергенде, Қудай: халық урысқа дуўшар болатуғынын билгенде өкинип, Мысырға қайтып кетпесин, деп филист халқының жери арқалы өтетуғын жол қысқарақ болса да, оларды ол жер арқалы алып жүрмеди. 18Қудай халықты Қамыс теңизине шөл жолы менен айландырып апарды. Израиллылар Мысырдан қарыў-жарақ пенен шыққан еди. 19Муўса Юсуптиң сүйеклерин де өзи менен бирге алып шыққан еди. Өйткени Юсуп израиллыларға ант иштирип: «Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сүйеклеримди бул жерден алып кетиңлер», – деп нәсиятлап кеткен еди.
20Израиллылар Суккоттан шығып, шөл шетиндеги Этамға орналасты. 21Олардың күни-түни жол жүриўи ушын, Жаратқан Ийе күндиз минара сыяқлы булт болып жол көрсетип, түнде минара сыяқлы от болып жолларына жарық түсирип, оларды баслап жүрди. 22Күндиз булт, түнде от халықтың алдынан бир дем де узақламады.

 

14

 

1Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға айт, олар изге қайтып, Пий-Ҳахироттың қасына, Мигдол менен теңиз арасына, Баал-Сефонның қарсысындағы теңиз жағасына орналассын. 3Сонда фараон: «Израиллылар ел гезип, адасып кетти, олар шөл қоршаўында қалды», – деп ойлайды. 4Мен фараонның жүрегин қатал қыламан ҳәм ол израиллылардың изинен қуўады. Солай етип, Мен фараонды ҳәм оның пүткил әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. Сонда мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
Израиллылар айтылғанды иследи. 5«Израил халқы қашып кетипти», – деген хабар Мысыр патшасына жеткенде, ол ҳәм оның хызметкерлери израиллылар туўралы көз қарасларын өзгертип: «Бизлер не ислеп қойдық? Израиллыларды жиберемиз деп, қулларымыздан айырылдық-ғо!» – дести. 6Фараон өзиниң саўаш арбасын жектирип, ләшкерлерин таярлады. 7Ол алты жүз сайланды саўаш арбасын, Мысырдың басқа барлық саўаш арбаларын ҳәм олардың басшыларын жанына алды. 8Жаратқан Ийе Мысыр патшасы фараонның жүрегин қатал қылып қойды. Ол нық қәдем атып баратырған израиллылардың изинен қуўып кетти. 9Мысырлылар фараонның пүткил атлы саўаш арбалары, атлылары ҳәм әскерлери менен израиллылардың изине түсип, теңиз жағасына, Пий-Ҳахирот жақынына, Баал-Сефонның қарсысына ордасын қурған израиллыларға жетип алды.
10Фараон жақынласып қалды. Израиллылар артына бурылып қараса, мысырлылардың излеринен қуўып киятырғанын көрди. Сонда олардың зәррелери ушып, Жаратқан Ийеге пәрияд етти. 11Олар Муўсаға былай деди:
– Мысырда қәбир жоқтай, бизлерди шөлде өлиўге алып келдиң бе? Мысырдан алып шығып, бизлерге не қылғаның? 12Мысырда болғанымызда, саған: «Бизлерди тынышымызға қой, мысырлыларға хызмет ете берейик», – деген жоқ па едик? Шөлде өлгеннен гөре, мысырлыларға қул болғанымыз жақсырақ еди-ғо!
13Бирақ Муўса оларға:
– Қорқпаңлар! Орныңызда беккем турып, Жаратқан Ийениң бүгин сизлерди қалай қутқаратуғынын көриңлер. Бүгин өзлериңиз көрип турған мысырлыларды енди ҳеш қашан көрмейсизлер. 14Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады. Ал сизлер тыныш турсаңыз болды, – деди.
15Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Неге Маған пәрияд етип атырсаң? Израиллыларға айт, алға қарай жылжый берсин. 16Ал сен таяғыңды көтерип, оны теңиздиң үстине қарай соз да, суўды қақ айыр. Сонда израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтеди. 17Мен мысырлылардың жүрегин қатал қыламан. Олар израиллылардың изинен қуўады. Мен фараонды, оның барлық әскерлерин, саўаш арбаларын ҳәм атлыларын жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. 18Фараон, оның саўаш арбалары ҳәм атлылары себепли салтанатқа ерискенимде, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
19Израил ордасының алдында баратырған Қудайдың периштеси орнын өзгертип, артқа өтти. Халықтың алдындағы минара сыяқлы булт та орнын өзгертип, артқа, 20Мысыр әскерлериниң ҳәм Израил халқының ортасына барып турды. Булт мысырлылар тәрепте қараңғылық орнатып, израиллылар тәрепти жақты қылып турды. Сол себептен түн бойы еки тәреп бир-бирине жақынласа алмады.
21Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды. Жаратқан Ийе пүткил түн бойы шығыстан күшли самал естирип, теңиз суўын изге ийтерди ҳәм теңизди қурғақ жерге айландырды. Суў екиге бөлинди. 22Израиллылар қурғақ жерди басып, теңиздиң ортасынан өтти. Теңиз суўы оң ҳәм шеп тәрепте оларға дийўал болып турды. 23Ал мысырлылар олардың излеринен қуўды, фараонның барлық атлары, саўаш арбалары ҳәм атлылары теңиздиң ишине кирип кетти. 24Таң атарда Жаратқан Ийе минара сыяқлы от ҳәм булт ишинен Мысыр ордасына нәзер салып, оларды албыратып таслады. 25Қудай олардың саўаш арбаларының дөңгелеклерин шығарып таслағанда, олар зорға қозғалды. Сонда мысырлылар: «Израиллылардан қашайық. Өйткени олар ушын Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы урысып атыр», – дести.
26Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды теңиздиң үстине қарай соз. Суўлар мысырлыларды, олардың саўаш арбаларын ҳәм атлыларын басып кетсин, – деди. 27Солай етип, Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды ҳәм таңға жақын теңиз өз ҳалына қайтты. Сонда қашып атырған мысырлылар суўға дуўшар болып, Жаратқан Ийе оларды теңиздиң ишине батырып жиберди. 28Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларын, атлыларды, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил ордасын жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады.
29Деген менен, израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өткен еди. Суўлар оң ҳәм шеп тәрепте турып, оларға дийўал болған еди. 30Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды мысырлылардың қолынан қутқарды. Израиллылар мысырлылардың теңиз жағасында өлип жатырғанын көрди. 31Жаратқан Ийениң мысырлыларға көрсеткен уллы қүдиретин көрген Израил халқы Жаратқан Ийеден қорқып, Оған ҳәм Оның қулы Муўсаға исенди.

 

15

 

Қутқарылыў жыры

 

1Соннан соң, Муўса ҳәм израиллылар Жаратқан Ийеге мына жырды айтты:

 

 

«Жырлайман Жаратқан Ийени,
Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске,
Атларды да, атлыларды да ылақтырды теңизге.

 

2Жаратқан Ийе күш-қуўатым мениң,
Қосығымды Оған арнайман,
Қутқарды мени Ол,
Олдур мениң Қудайым.
Алғыслар айтаман Оған,
Ол мениң әкемниң Қудайы,
Уллылайман Оны мен.
3Жаратқан Ийе жаўынгердур,
Аты Оның – Жаратқан Ийе.
4Ол фараонның саўаш арбаларын,
Ҳәм ләшкерлерин атты теңизге.
Ғарқ болды Қамыс теңизине,
Оның сайланды ләшкербасылары да.
5Терең суўлар қаплады оларды,
Батып кетти тас сыяқлы туңғыйыққа.

 

6Сениң оң қолың, О Жаратқан Ийе,
Қүдиретли күшке ийедур.
Сениң оң қолың, О Жаратқан Ийе,
Тас-талқан етер душпанды.
7Әжайып уллылығың менен,
Саған қарсы шыққанларды,
Жер менен жексен қыласаң,
Жибересең оларға ғәзебиңди,
Сабан сыяқлы күйдирип, күл қыласаң оларды.
8Мурныңның деминен,
Жыйналды суўлар бир жерге.
Дийўал сыяқлы болып толқынлар,
Теңиз қойнында қатып қалды.
9Сонда душпан былай деди:
„Услайман оларды изинен қуўып,
Олжаны бөлемен кеўлимди тоқ қылып,
Қыраман оларды қылышымды жалаңашлап“.
10Демиң менен үплеп едиң,
Қаплады теңиз оларды.
Қорғасындай батты уллы суўларға.

 

11О Жаратқан Ийе, қудайлар арасында Саған уқсағаны бар ма?
Сен сыяқлы мухаддесликте уллы, айбаты менен алғысқа ылайық болған?
Кәраматлар жаратыўшы бар ма?
12Созып едиң оң қолыңды,
Жутып кетти жер оларды.

 

13Өзиң қутқарған халқыңды,
Жетеледиң сүйиспеншилигиң менен,
Алып бардың қүдиретиң менен мухаддес мәканыңа.
14Қалтырасар еситип миллетлер,
Қорқыныш бийледи Филистия халқын.
15Ҳүрейлери ушады Эдом бийлериниң,
Дирилди басар Моаб көсемлерин,
Үмитсизликке түсти пүткил Кенаан турғынлары.
16Жүреги суўлар ҳәм қорқыў басар оларды,
Сениң халқың өтип кеткенше, о Жаратқан Ийе,
Сен ийелик еткен халық өтип кеткенше,
Билегиңниң күши алдында тас болып тилсиз қатып қалар.
17О, Жаратқан Ийе! Апарасаң халқыңды Өз таўыңа,
Жайластырасаң Өзиң мәкан қылып алған жерге,
Қолларың менен қурған мухаддес мәканға, о, Ийе!
18Ҳүкимдарлық қылар шексиз ҳәм мәңгиге Жаратқан Ийе».

 

 

19Фараонның атлары, саўаш арбалары ҳәм атлылары теңиз ишине киргенде, Жаратқан Ийе суўларды олардың үстине қайтарып әкелди. Ал израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтти.
20Харонның әжапасы пайғамбар Мәриям қолына дәп алды. Басқа барлық ҳаяллар да дәп алып, ойнаўы менен оның изине ерди. 21Мәриям нақыратты қайталап былай деп жырлады:

 

 

«Жырлаң Жаратқан Ийени,
Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске.
Атларды да, атлыларды да ылақтырды теңизге».

 

Ашшы суў

 

22Муўса израиллыларды Қамыс теңизинен баслап шыққаннан соң, олар Шур шөлине барды ҳәм шөлде үш күн жүрсе де, суў таба алмады. 23Соңынан олар Мара деген жерге барды. Бирақ Мараның суўы ашшы болғанлықтан, олар ише алмады. Сонлықтан сол жер Мара[8] деп аталды. 24Сонда халық Муўсаға: «Не ишемиз?» – деп наразы болып, тоңқылдай баслады.
25Муўса Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе оған бир ағашты көрсетти. Муўса оны суўға ылақтырып жибергенде, суў душшы болып қалды.
Сол жерде Жаратқан Ийе халық ушын қағыйда ҳәм нызам берди ҳәм оларды сынады. 26Жаратқан Ийе оларға былай деди:
– Егер сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң, яғный Мениң сөзимди дыққат пенен тыңлап, алдымда туўры болған ислерди ислесеңлер, буйрықларыма қулақ асып, ҳәмме қағыйдаларымды орынласаңлар, мысырлыларға берген кеселликтиң ҳеш бирин сизлерге бермеймен. Себеби Мен – сизлерге шыпа бериўши Жаратқан Ийемен.
27Соннан кейин, олар Элимге келди. Сол жерде он еки булақ ҳәм жетпис пальма ағашы бар еди. Солай етип, олар суў жағасына орналасты.

 

16

 

Манна ҳәм бөденелер

 

1Израил халқының пүткил жәмийети Элимнен шықты. Олар Мысырдан шыққанынан кейинги екинши айдың он бесинши күни Элим ҳәм Синай арасында жайласқан Син шөлине келди. 2Шөлде ҳәммеси Муўса менен Харонға наразы болып, 3оларға былай деп тоңқылдады:
– Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ҳеш болмаса, ол жерде гөш салынған қазанлардың қасында отырып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, бизлерди усы шөлге алып келдиңиз.
4Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мине, Мен сизлерге аспаннан нан жаўдыраман. Халық ҳәр күни шығып, бир күнлик нанын жыйнап алсын. Усылайынша Мен оларды сынап, олардың Мениң көрсетпелерим бойынша жасайтуғынын ямаса жасамайтуғынын көрежақпан. 5Ал алтыншы күни[9] олар ҳәр күни жыйнағанынан еки есе артық қылып топлап, таярлап қойсын.
6Муўса менен Харон пүткил израиллыларға былай деди:
– Сизлерди Мысырдан Жаратқан Ийениң Өзи алып шыққанын бүгин кеште билип аласызлар. 7Ал ертең азанда Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Себеби Ол сизлердиң Өзине наразы болып, тоңқылдағаныңызды еситти. Бирақ бизлерге наразы болатуғындай, бизлер ким болыппыз?
8Кейин Муўса былай деди:
– Кешқурын сизлерге жеў ушын гөш, азанда тойғаныңызша нан берилгенде, сизлер Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Өйткени Жаратқан Ийе сизлердиң Өзине қарсы наразылық билдиргениңизди еситти. Ал бизлер ким болыппыз? Сизлер бизлерге емес, ал Жаратқан Ийеге наразылық билдирип атырсызлар.
9Кейин Муўса Харонға:
– Израил халқының пүткил жәмийетине айт, Жаратқан Ийениң алдына келсин. Себеби Жаратқан Ийе олардың наразылығын еситти, – деди.
10Харон Израил халқының пүткил жәмийетине усыларды айтып турғанда, олар шөлге қарады. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты булт ишинде көринди.
11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12– Мен израиллылардың тоңқылдыларын еситтим. Оларға мынадай деп айт: «Кешқурын гөш жеп, азанда нанға тоятуғын боласызлар. Сонда сизлер Мениң – Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар».
13Кешқурын бөденелер ушып келип, орданы басып кетти. Ал азанда орданың әтирапын шық қаплады. 14Шық кепкенде, шөлдеги жердиң бетинде қыраўға уқсаған, майда дән сыяқлы бир нәрсе көринди. 15Буны көргенде, израиллылар бир-биринен: «Бул не?» – деп сорасты. Себеби олар буның не екенин билмейтуғын еди.
Муўса оларға:
– Бул – Жаратқан Ийениң сизлерге жеў ушын берген наны. 16Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Ҳәр бир адам жей алғандайын жыйнап алсын. Шатырыңыздағы ҳәр бир адам ушын бир омерден[10] алыңлар».
17Израиллылар айтылғанды ислеп, кимиси көп, кимиси аз жыйнады. 18Омер менен өлшегенде, көп жыйнағанның артығы, аз жыйнағанның кемиси болмады. Ҳәр бир адам жей алатуғын муғдарда жыйнаған еди.
19Муўса оларға:
– Ҳеш ким оннан азанға дейин бир түйир қалдырмасын, – деди.
20Деген менен, айырымлар Муўсаны тыңламай, азанға дейин қалдырғанда, ол қуртлап, сасый баслады ҳәм Муўсаның оларға ғәзеби келди.
21Ҳәр күни азанда ҳәр бир адам өзи жей алатуғын муғдарда жыйнайтуғын еди. Ал қуяш қызған ўақытта жерде қалғанлары ерип кететуғын еди. 22Алтыншы күни адам басына еки омерден, яғный еки есе жыйнайтуғын еди. Жәмийет басшылары келип, аўҳалды Муўсаға билдирди. 23Муўса оларға былай деди:
– Жаратқан Ийениң буйрығы усы. Ертең Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Соның ушын, бүгин писиретуғыныңызды писирип, қайнататуғыныңызды қайнатып алыңлар. Ал аўысып қалғанын азанға дейин сақлап қойыңлар.
24Муўсаның буйырғанындай, халық аўысып қалғанды азанға дейин сақлап қойғанда, ол сасымады да, қуртлап та кетпеди. 25Сонда Муўса оларға былай деди:
– Аўысып қалғанды бүгин жеңлер. Себеби бүгин Жаратқан Ийе ушын Шаббат күни. Бүгин даладан манна таба алмайсызлар. 26Сизлер оны алты күн жыйнаңлар. Бирақ жетинши күни болған Шаббат күни ол улыўма болмайды.
27Жетинши күни айырымлар нан жыйнаў ушын сыртқа шыққанда, ҳеш нәрсе таба алмады. 28Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Қашанға шекем буйрықларым ҳәм көрсетпелеримди орынлаўдан мойын таўлайсызлар? 29Минекей, Мен сизлерге Шаббат күнин бердим. Сонлықтан алтыншы күни сизлерге еки күнлик нан берип атырман. Жетинши күни ҳәр бир адам қай жерде жасап атырған болса, сол жерде қалсын, сыртқа шықпасын.
30Солай етип, халық жетинши күни дем алды.
31Израиллылар сол нанды манна деп атады. Оның көриниси кинза туқымы сыяқлы болып, дәми пал қосылған шөрекке уқсайтуғын еди. 32Муўса халыққа былай деди:
– Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Сизлерди Мысырдан алып шыққанымда, Мениң сизлерге шөлде берген нанымды келешек әўладлардың көриўи ушын, оның бир омерин сақлап қойыңлар».
33Муўса Харонға:
– Бир ыдысты алып, ишине бир омер манна сал. Келешек әўладларға сақланып қалыўы ушын, оны Жаратқан Ийениң алдына қой, – деди.
34Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, Харон маннаны сақлап қойыў ушын, оны Келисим сандығының алдына қойды.
35Израиллылар мәкан етилген Кенаан жерине жетип барғанша, қырқ жыл манна жеди. 36Бир омер эфаның[11] оннан бир бөлегине туўры келетуғын еди.

 

17

 

Жартастан аққан суў

 

1Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Син шөлинен шықты да, бир жерден екинши жерге көшип-қонып жүрип, Рефидимге орналасты. Деген менен, ол жерде ишетуғын суў жоқ еди. 2Олар Муўсаға:
– Бизлерге ишетуғын суў бер, – деп урысты.
– Неге маған урысып атырсызлар? Неге Жаратқан Ийени сынап атырсызлар? – деди оларға Муўса.
3Бирақ халық шөллегенликтен, Муўсаға наразы болып:
– Бизлерди не ушын Мысырдан алып шықтың? Бизлерди, балаларымызды ҳәм малларымызды шөлден өлтириў ушын ба? – деп тоңқылдады.
4Муўса Жаратқан Ийеге дад салып:
– Бул халыққа не ислейин? Бираздан соң, олар мени тас боран қылып өлтиреди-ғо! – деди.
5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Халықтың алдына өт. Нил дәрьясын урған таяғыңды ал да, Израил ақсақалларының айырымларын изиңе ертип, алға қарай жүр. 6Мине, Мен Хореб таўындағы бир жартастың үстинде, сениң алдыңда тураман. Сен жартасты урғаныңда, суў атлығып шығады ҳәм халық суў ишеди.
Муўса Израил ақсақалларының көз алдында солай иследи.
7Солай етип, сол жер Масса[12] ҳәм Мериба[13] деп атады. Себеби израиллылар сол жерде Муўса менен урысып: «Арамызда Жаратқан Ийе бар ма екен, я жоқ па екен?» – деп Жаратқан Ийени сынаған еди.

 

Амалеклердиң жеңилиске ушыраўы

 

8Амалеклер келип, Рефидимде израиллыларға урыс ашты. 9Сонда Муўса Ешуаға:
– Халық ишинен адамларды сайлап ал да, барып, амалеклер менен урыс. Ертең мен қолыма Қудайдың таяғын услап, төбешиктиң басында тураман, – деди.
10Ешуа Муўсаның айтқанын ислеп, амалеклер менен урысты. Сол ўақытта Муўса, Харон ҳәм Хур төбешиктиң басына шықты. 11Муўса қолын көтергенде израиллылар, ал түсиргенде амалеклер үстин келе берди. 12Бирақ Муўсаның қоллары шаршап қалды. Сонда олар бир тас әкелип, Муўсаның астына қойды. Муўса тастың үстине отырды. Бир жағында Харон, екинши жағында Хур Муўсаның қолларын жоқары көтерип турды. Қуяш батқанша, Муўсаның қоллары беккем көтерилип турды. 13Солай етип, Ешуа амалеклерди қылыштан өткизип, оларды жеңди.
14Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Естелик болып қалыўы ушын, буны китапқа жазып қой. Ешуаның қулағына қуйып қой, Мен амалеклердиң атын жер жүзинен пүткиллей жоқ қыламан, – деди.
15Муўса бир қурбанлық орын қурып, оның атын Яҳўе Нисси[14] деп қойды. 16Кейин былай деди: «Жаратқан Ийениң тахтына қарсы қол көтергени ушын, Ол әўладлар даўамында амалеклерге қарсы урысады».

 

18

 

Итроның Муўсаға келиўи

 

1Муўсаның қәйин атасы мидянлы руўханий Итро Қудайдың Муўса ушын ҳәм Өз халқы Израил ушын ислеген ҳәмме ислерин, Жаратқан Ийениң израиллыларды Мысырдан қалай алып шыққанын еситти.
2-3Бурын Муўса ҳаялы Сиппораны еки улы менен төркинине қайтарып жибергенде, Итро оларды қабыл еткен еди. Муўса: «Мен – жат елде келгинди адам едим», – деп, улларының бирин Гершом деп атаған еди. 4Ал екинши улына: «Ата-бабаларымның Қудайы маған жәрдем етип, мени фараонның қылышынан қутқарды», – деп, Элиезер[15] деп ат қойған еди.
5Сонда Муўсаның ҳаялын ҳәм улларын ерткен қәйин атасы Итро Қудайдың таўына, Муўса қоныс басқан шөлге келди. 6Ол Муўсаға: «Мен – қәйин атаң Итроман, ҳаялың менен еки улыңды алып саған киятырман», – деп хабар жиберди.
7Муўса қәйин атасын күтип алып, оның алдында тәжим етти ҳәм оны сүйди. Олар бир-биринен ҳал-аўҳал сорасып болып, шатырға кирди. 8Муўса қәйин атасына Жаратқан Ийениң Израил халқы ушын фараон менен мысырлыларға нелер ислегенин, өзлериниң жолда көрген қыйыншылықларын ҳәм Жаратқан Ийениң оларды қалай қутқарғанын бирме-бир айтып берди.
9Итро Жаратқан Ийениң израиллыларға ислеген жақсылықларына ҳәм оларды мысырлылардың қолынан қутқарғанына қуўанды. 10Итро былай деди:
– Сизлерди мысырлылардың ҳәм фараонның қолынан қутқарып, халықты мысырлылардың мойынтырығынан азат қылған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын. 11Енди мен Жаратқан Ийениң барлық қудайлардан уллы екенин билдим. Өйткени Ол израиллыларға менменлик қатнаста болған мысырлылардан үстин шықты.
12Итро Қудайға жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар әкелип берди. Харон ҳәм Израилдың пүткил ақсақаллары Муўсаның қәйин атасы менен Қудайдың алдында аўқатланыў ушын келди.

 

Итроның кеңеси

 

13Ертеңине Муўса халыққа қазылық етиў ушын өз орнына отырды. Халық азаннан кешке шекем оның алдында тик аяқта турды.
14Қәйин атасы Муўсаның халыққа қылған бул исин көрип:
– Халыққа бул не ислегениң? Неге жалғыз өзиң қазылық етип отырсаң? Неге ҳәмме азаннан кешке шекем сениң алдыңда тур? – деди.
15Муўса оған былай деди:
– Өйткени халық Қудайдың еркин билиў ушын, маған келеди. 16Қашан араларында бир даў шықса, олар маған келеди. Мен еки тәреп арасында қазылық қылып, оларға Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин мәлим етемен.
17Қәйин атасы оған былай деди:
– Бул исиң жақсы емес. 18Сен өзиңди де, жаныңдағы халықты та шаршатып таслайсаң. Бул ис сен ушын жүдә аўырлық етеди, ол бир өзиңниң қолыңнан келмейди. 19Енди маған қулақ сал. Егер сен мениң кеңесиме әмел қылсаң, Қудай саған яр болады. Сен Қудай алдында халық ушын ўәкил болып, олардың даўлы ислерин Қудайға жеткизип турыўың керек. 20Ал халыққа Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин үйрет. Қандай жол менен жүрип, не ислеў кереклигин оларға көрсет. 21Буларға қосымша, халық арасынан Қудайдан қорққан, уқыплы, ҳарам пайданы жек көретуғын исенимли адамларды сайлап ал. Оларды халық үстинен мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып тайынла. 22Олар бәрқулла халыққа қазылық етсин. Үлкен даўларды саған әкелсин, ал кишилерин өзлери шешсин. Усылай етип, олар аўырманлықты сениң менен бөлиссе, саған жеңил болады. 23Егер сен Қудайдың буйырғанындай етип, усылай ислесең, онда шыдай аласаң ҳәм ҳәмме тынышлық пенен үйлерине қайтады.
24Муўса қәйин атасының сөзин тыңлап, оның айтқанларының ҳәммесин орынлады. 25Ол израиллылар арасынан уқыплы адамларды сайлап алып, оларды мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып, халыққа басшы етип тайынлады. 26Олар халыққа бәрқулла қазылық етип, қыйын мәселелерди Муўсаға алып келди. Ал кишигирим ислерди өзлери шешти. 27Кейин Муўса қәйин атасын жолға шығарып салды. Итро өз елине қайтып кетти.

 

19

 

Израил халқы Синай таўында

 

1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги үшинши айдың биринши күни Синай шөлине жетип келди. 2Олар Рефидимнен жолға шыққан болып, Синай шөлине жетип келген еди. Олар сол жерде, Синай таўының қарсысына шатырларын тикти.
3Сонда Муўса таўға, Қудайдың дәргайына шықты. Жаратқан Ийе оған таўдан былай деди:
– Яқып нәсилине, Израил халқына былай де: 4«Мысырлыларға не ислегенимди, палапанларын қанатлары менен тасыған бүркит сыяқлы, сизлерди жаныма әкелгенимди көрдиңлер. 5Ал енди сөзлеримди дыққат пенен тыңлап, келисимиме әмел қылсаңлар, сизлер барлық халықлар ишинде Мениң ғәзийнем боласызлар. Себеби пүткил жер жүзи Маған тийисли. 6Сизлер Мениң ушын руўханийлер патшалығы ҳәм мухаддес халық боласызлар». Сениң израиллыларға айтатуғын сөзлериң усылар.
7Муўса келип, халық ақсақалларын шақырып алды да, өзине Жаратқан Ийениң буйырған барлық сөзлерин оларға билдирди. 8Пүткил халық бир аўыздан: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин орынлаймыз», – деп жуўап берди. Муўса халықтың жуўабын Жаратқан Ийеге жеткизди.
9Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Сениң менен сөйлескенимди халықтың еситиўи ҳәм саған мәңгиге исениўи ушын, Мен саған бир қалың булт ишинде келемен, – деди. Муўса халықтың сөзлерин Жаратқан Ийеге жеткизгенде, 10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Бар, бүгин ҳәм ертең халық пәкленсин. Олар кийимлерин жуўып, 11үшинши күни таяр болсын. Өйткени үшинши күни Мен, Жаратқан Ийе пүткил халықтың көз алдында Синай таўына түсемен. 12Халық ушын таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм оларға: «Абайлаңлар, таўға шығыўшы болмаңлар, таўдың етегине де жақынламаңлар! Таўға бир жерин тийгизген ҳәр бир адам сөзсиз өлтириледи. 13Сол адамға қол тийгизилмей, тас боран қылынып, я болмаса оқ жай менен өлтириледи. Ҳайўан болса да, адам болса да, ол тири қалмайды», – деп айт. Тек кәрнай узақ шертилгенде ғана, олар таўға көтериле алады.
14Соңынан Муўса таўдан халықтың қасына түсип, оларды пәкледи. Ҳәр бир адам кийимлерин жуўды. 15Муўса халыққа:
– Үшинши күни таяр болыңлар. Бул ўақыт ишинде ҳаялларыңызға жақынламаңлар, – деди.
16Үшинши күни таң атыўдан гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты. Таўдың үстин қалың булт қаплап, бәлент, күшли даўыслы кәрнай сести еситилди. Ордадағы пүткил халық титирей баслады. 17Муўса халықты Қудай менен ушырастырыў ушын, ордадан баслап шықты. Олар таўдың етегине келип турды. 18Қудай Синай таўына от ишинде түскенликтен, пүткил таў түтеп турған еди. Таўдан пештен шыққандай түтин шығып, пүткил таў қатты силкинип турған еди. 19Кәрнай сести барған сайын күшейе берди. Муўса Қудайға сөйледи ҳәм Қудай да оған даўыслап жуўап берди. 20Жаратқан Ийе Синай таўының төбесине түсип, Муўсаны таўдың төбесине шақырды. Муўса сол жерге шықты. 21Жаратқан Ийе оған былай деди:
– Төмен түсип, халықты ескерт. Мени көриў ушын, шегарадан шығып кетпесин. Болмаса, көбиси өлип қалады. 22Маған жақынласатуғын руўханийлер де өзлерин пәклесин. Болмаса, оларға қарсы шығаман.
23Муўса Жаратқан Ийеге:
– Халық Синай таўына шыға алмайды. Өйткени Сен: «Таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм таўды мухаддес қыл», – деп ескерткен едиң, – деди.
24Жаратқан Ийе оған:
– Төмен түсип, Харонды өзиң менен бирге алып кел. Бирақ руўханийлер менен халық алдыма келиў ушын, шегарадан өтпесин. Болмаса, оларды қатаң жазалайман, – деди. 25Солай етип, Муўса төмен түсти де, халыққа усыларды айтып берди.

 

20

 

Он буйрық

 

1Сонда Қудай мына сөзлерди айтты:
2«Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.
3Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
4Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. 5Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаншақ Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. 6Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.
7Қудайың болған Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
8Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла. 9Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. 10Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. 11Себеби Мен – Жаратқан Ийе алты күн ишинде аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратып, жетинши күни дем алдым. Сонлықтан Мен Шаббат күнин жарылқап, оны мухаддес қылып айырдым.
12Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады.
13Адам өлтирме.
14Неке ҳадаллығын бузба.
15Урлық ислеме.
16Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
17Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.»

 

18Пүткил халық гүлдирмаманы ҳәм кәрнай сестин еситип, шақмақты ҳәм таўдың басындағы түтинди көргенде, қорққанынан қалтырай баслады. Олар узақта турып, 19Муўсаға:
– Бизлер менен өзиң сөйлес. Бизлер сени тыңлаймыз. Бирақ Қудай бизлерге сөйлемесин. Болмаса, өлип қаламыз, – деди.
20Муўса халыққа:
– Қорқпаңлар! Себеби Қудай сизлерди сынаў ушын ҳәм Оннан қорқып, гүна ислемеўиңиз ушын келди, – деди.
21Халық узақта тура берди, ал Муўса Қудай турған тас түнек қараңғылыққа жақынласты.

 

Қурбанлық орын ҳаққында

 

22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Израиллыларға былай деп айт: «Мениң сизлерге аспаннан сөйлегенимди еситтиңлер. 23Меннен басқа қудайларың болмасын. Өзлериңизге алтыннан болса да, гүмистен болса да, ҳеш қандай бутлар соғып алмаңлар. 24Мениң ушын топырақтан қурбанлық орын ислеңлер. Ол жерде қой ҳәм буғаларыңызды жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы етип бериңлер. Маған сыйыныўыңыз ушын Өзим таңлаған ҳәр бир жерге келип, сизлерди жарылқайман. 25Егер Маған тастан қурбанлық орын қуражақ болсаңыз, жонылмаған тасларды қолланыңлар. Өйткени тасқа қашаў тийгизсеңиз, оны ҳарамлайсызлар. 26Және де, көтерилгениңизде жалаңаш жериңиз көринип қалмаўы ушын, Маған арналған қурбанлық орынға текше қурмаңлар».

 

21

 

Қуллар ҳаққында

 

1– Сен халыққа жәриялаўың керек болған нызамлар мыналар: 2егер сен еврей қул сатып алсаң, ол алты жыл хызмет етип, жетинши жылы ешейин азат етилсин. 3Егер ол келгенде бойдақ болса, жалғыз кетсин. Ал үйленген болса, онда оның ҳаялы да бирге кетсин. 4Егер хожайыны сол қулды үйлендирген ҳәм ҳаялы оған ул-қыз туўып берген болса, онда ҳаялы ҳәм балалары хожайынында қалып, қулдың бир өзи кетсин.
5Бирақ қул: «Мен хожайынымды, ҳаялымды ҳәм балаларымды жақсы көремен, азатлыққа шықпайман», – десе, 6онда хожайыны оны қазылардың алдына алып келсин ҳәм оны қапының ямаса қапының кесе ағашының жанында турғызып, қулағын биз бенен тессин. Сонда ол өмир бойы хожайынына қул болып қалады.
7Егер ким де ким қызын шорылыққа сатса, қыз еркек қуллар сыяқлы азатлыққа шыға алмайды. 8Егер хожайыны сол қызды ҳаяллыққа алыўды нийет қылып болып, оны жақтырмай қалса, онда қыздың әкеси тәрепинен қуны төленип, қыздың азат болыўына рухсат етсин. Бирақ өзи алдағаны ушын, жат адамларға сатыўға ҳақысы жоқ. 9Егер ол қызды улына некелесе, оны өз қызындай көрсин. 10Ал егер хожайыны шорысына үйленип болып, және басқа ҳаял алса, онда шоры ҳаялын азық-аўқаттан, кийим-кеншектен ҳәм ерли-зайыплылық ҳуқықларынан маҳрум етпесин. 11Егер ол усы үш нәрседен шорыны маҳрум қылса, шоры қуны төленбестен азат қылынсын.

 

Зорлыққа қарсы нызамлар

 

12Ким де ким биреўди урып өлтирсе, оның өзи де сөзсиз өлтирилсин. 13Бирақ егер ол буны абайсызда ислеген болса, Қудайыңыз болған Мен усыған жол қойған болсам, онда сол адамның қашып барып, паналайтуғын жерин Өзим белгилеп беремен. 14Ал егер ким де ким жанындағы адамды қастан өлтирип, Мениң қурбанлық орныма қашып барса да, оны сол жерден шығарып алып, өлтириңлер.
15Ким де ким анасын ямаса әкесин урса, ол сөзсиз өлтирилсин.
16Ким де ким биреўди урлап, оны сатса ямаса услап турса, ол сөзсиз өлтирилсин.
17Ким де ким анасын ямаса әкесин ғарғаса, ол сөзсиз өлтирилсин.
18Еки адам жәнжеллесип, биреўи екиншисин тас ямаса муш пенен урса, ол өлмегени менен, төсек тартып жатып қалса, 19кейин орнынан турып, далаға таяқ пенен шыға алатуғын болса, онда урған адам айыпсыз болып есапланады. Тек ол жарақат алған адамға оны жумысынан қалдырғаны ушын ҳәм толық емлениўи ушын пул төлесин.
20Егер ким де ким қулын ямаса шорысын таяқ пенен урып өлтирсе, ол жазалансын. 21Бирақ егер қул дәрҳал өлмей, ал бир-еки күннен соң өлсе, қулдың хожайыны жазаланбасын. Себеби қул оның өз меншиги.
22Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳәмиледар ҳаялды урып алса ҳәм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳәм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин. 23Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан, 24көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып, 25күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин.
26Егер ким де ким қулының ямаса шорысының көзине урып, соқыр қылса, көзи ушын оны азатлыққа шығарсын. 27Ал егер қулының ямаса шорысының тисин сындырса, тиси ушын оны азатлыққа шығарсын.
28Егер бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өгиз сүзип өлтирсе, өгиз тас пенен урып өлтирилсин, ал гөши желинбесин. Өгиздиң ийеси айыпсыз болып есаплансын. 29Бирақ өгиз бурыннан-ақ сүзеўик болып, бул туўралы ескертилгенине қарамай, ийеси өгизине көз-қулақ болмаған болса, өгиз бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өлтирсе, онда өгиз тас пенен урып өлтирилсин. Өгиздиң ийеси де өлтирилсин. 30Егер өгиздиң ийесине өз жанын сақлап қалыўы ушын қун төлеўине рухсат етилсе, ол талап қылынған қунды толығы менен төлеўи тийис. 31Егер өгиз ул баланы ямаса қыз баланы сүзип өлтирсе, онда да усы нызам қолланылсын. 32Егер өгиз бир қулды ямаса бир шорыны сүзип өлтирсе, онда олардың хожайынына отыз шекел[16] гүмис берилип, өгиз тас пенен урып өлтирилсин.
33Егер ким де ким суў сақланатуғын шуқырды ашық қалдырса ямаса таза шуқыр қазып, оның аўзын жаппай кетсе ҳәм сол шуқырға бир өгиз ямаса ешек түсип кетсе, 34онда шуқырдың ийеси малдың қунын төлеўи тийис. Ол малдың ийесине пул төлесин, ал малдың денесин өзине алсын.
35Егер бир адамның өгизи қоңсысының өгизин сүзип өлтирип қойса, онда олар тири қалған өгизди сатып, ақшасын ҳәм өли өгиздиң гөшин тең бөлисип алсын. 36Егер өгиздиң сүзеўик екени бурыннан-ақ белгили болса да, ийеси оған көз-қулақ болмаған болса, онда ол өгиздиң орнына өгиз берип, өлген малды өзине алсын.

 

22

 

Мал-мүлик ҳаққында нызамлар

 

1Егер ким де ким ири мал ямаса майда мал урлап, оны сойса ямаса сатып жиберсе, бир өгиздиң орнына бес өгиз, бир қойдың орнына төрт қой төлесин.
2Ким де ким түнде үйге урлыққа түсип атырған урыға тап болып, оны урып өлтирсе, төгилген қан оның мойнына жүкленбесин. 3Бирақ егер ўақыя қуяш шыққаннан кейин болса, онда қан төккен адам айыплы болады. Уры урлаған нәрсесиниң қунын толық төлесин. Егер урының төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмаса, урлағанларын төлеўи ушын, ол қул қылып сатылсын. 4Қара мал ма, ешек пе ямаса майда мал ма, не болса да, урланған мал урының қолынан тирилей табылса, онда ол мал ушын еки есе қун төлесин.
5Егер ким де ким малларын өз атызына ямаса жүзим бағына отлатып қойып, малларының басқа биреўдиң атызына түсиўине жол қойса, онда ол өз атызының ямаса бағының ең жақсы өнимлеринен төлесин.
6Егер биреў от жағып, бул оттан тикенлер алысып кетип, баўланған егинлерди, атыздағы зүрәәтти ямаса пүткил егисликти жандырып жиберсе, онда от жаққан адам шығынды толық төлесин.
7Ким де ким қоңсысына ақшасын ямаса затларын аманат етип берсе, бирақ сол нәрселер қоңсысының үйинен урланып, уры табылса, уры урлаған затларын еки есе етип төлесин. 8Ал егер уры табылмаса, үй ийеси қазылардың алдына барып, аманатқа қыянет етпегенин айтып ант ишсин. 9Қандай да бир даўлы нәрсе: ири мал, ешек, майда мал, кийим-кеншек, ҳәр қандай жойтылған нәрсе бойынша: «Бул – меники» деген талас болса, онда еки тәреп мәселени қазыларға жеткизсин. Қазылар айыплы деп тапқан адам қоңсысына еки есе төлесин.
10Ким де ким қоңсысына ешегин, ири малын, майда малын ямаса қандай да бир малын аманат етип берсе, сол мал өлип қалса ямаса жарақат алса, я болмаса урланып, буған гүўа болмаса, 11онда малды аманатқа алған адам қоңсысының малына қол тийгизбегенин айтып, Жаратқан Ийениң аты менен ант ишсин. Малдың ийеси буны қабыл етсин ҳәм қоңсысы ҳеш нәрсе төлемесин. 12Бирақ алған адамнан сол мал урланған болса, онда ол малдың ийесине қун төлесин. 13Егер малды бир жыртқыш ҳайўан тилкимлеп таслаған болса, онда баққан адам тилкимленген малды дәлил етип көрсетиўи тийис ҳәм сол мал ушын ҳеш нәрсе төлемесин.
14Егер ким де ким қоңсысынан бир мал сорап алып турса, ийеси жоқта мал жарақат алса ямаса өлип қалса, алған адам мал ушын толық қун төлеўи тийис. 15Бирақ ийеси малдың қасында болған болса, қарызға мал алған адам ҳеш нәрсе төлемесин. Ал егер мал жаллап алынған болса, онда жалланған баҳасы төлениўи тийис.

 

Жәмийетлик жуўапкершиликлер

 

16Егер ким де ким атастырылмаған бир қызды алдап, оның менен жатса, қыз ушын қалың мал берип, оған үйлениўи тийис. 17Егер әкеси қызын сол адамға бериўге ыразы болмаса, онда ол қызларға берилетуғын қалың мал муғдарын төлесин.
18Сыйқыршы ҳаялды тири қалдырмаңлар.
19Ҳайўан менен жынысый қатнас жасайтуғын адам сөзсиз өлтирилсин.
20Жаратқан Ийеден басқа қудайларға қурбанлық берген адам жоқ қылынсын.
21Келгинди адамға жәбир берип, езиўши болмаңлар. Себеби сизлер де Мысырда келгинди болдыңлар.
22Жесирлер менен жетимлерге жәбир бермеңлер. 23Егер жәбир берсеңиз, олар Маған жалбарынса, олардың налаларын сөзсиз еситемен. 24Сонда Мениң ғәзебим лаўлап, сизлерди қылыш пенен өлтиремен. Ақыбетинде ҳаялларыңыз жесир, ал балаларыңыз жетим болып қалады.
25Мениң халқымнан бир кәмбағалға қарызға ақша берсең, өсимге пул бериўши сыяқлы пайыз миндирме. 26Егер қоңсыңның шапанын гиреўге алсаң, оны қуяш батпастан бурын қайтарып бер. 27Өйткени сол шапан оның жалғыз жамылатуғын нәрсеси. Шапаны болмаса, ол нени жамылып уйықлайды? Солай етип, ол Маған жалбарынса, оны еситемен. Себеби Мен мийрим-шәпәәтлимен.
28Қудайға тил тийгизбеңлер. Халқыңыздың басшыларын ғарғамаңлар.
29Қырманыңыздың ҳәм жуўазларыңыздың зүрәәтинен аяп, Маған алып келиўди кешиктирмеңлер. Туңғыш улларыңызды да Маған бағышлаңлар. 30Ири мал ҳәм майда малларыңыз бенен де солай ислеңлер. Олар жети күн анасының жанында қалсын, ал сегизинши күни оларды Маған бериңлер.
31Сизлер Мениң мухаддес халқым боласызлар. Сонлықтан далада тилкимленип тасланған ҳайўанды жемеңлер, оны ийтлерге таслаңлар.

 

23

 

Әдиллик ҳәм ҳүждан ҳаққында

 

1Мыш-мыш гәп тарқатпаң. Жалған гүўалық бериў арқалы, жаман адамға қол бермең.
2Көпшилик жаўызлық ислегенде, оларға қосылмаң. Даўлы исте гүўалық бергениңизде көпшиликти жақлап, әдилликти бурмаламаң. 3Кәмбағал болса да, даўда оны жақламаң.
4Егер душпаныңыздың жойтылып кеткен өгизин ямаса ешегин таўып алсаңыз, оны ийесине қайтарып бериң. 5Егер душпаныңыздың ешегиниң жүктиң аўырлығынан жығылып қалғанын көрсеңиз, оны сол ҳалында таслап кетпей, оған жәрдем бериўиңиз тийис.
6Даўда кәмбағалдың исин шешиўде әдилликти бурмаламаң. 7Жала жабыўдан аўлақ болың, айыпсыз ҳәм ҳақ адамды өлимге ҳүким қылмаң. Өйткени Мен наҳақ адамды ақламайман.
8Пара алмаң. Себеби пара көретуғын адамды соқыр етип, ҳақ адамды наҳаққа шығарады.
9Келгинди адамға жәбир бермең. Өзлериңиз де Мысыр жеринде келгинди болғаныңыз себепли, келгинди адамның жағдайының қандай екенин билесизлер.
10Алты жыл бойы жериңизге туқым сеўип, зүрәәт жыйнаң. 11Ал жетинши жылы жерге дем бериң. Халқыңыз арасындағы кәмбағаллар ол жерден азық таўып жесин, олардан аўысқанын жабайы ҳайўанлар жесин. Жүзим бағыңыз бенен зәйтүнзарыңызға да солай ислең.
12Алты күн жумысыңызды ислеп, жетинши күни дем алың. Усылайынша өгизиңиз ҳәм ешегиңиз дем алып, шорыңыздың улы да, келгинди адамыңыз да ҳәлленип алсын.
13Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин орынлаң. Басқа қудайлардың атын айтып шақырмаң, оларды тилиңизге де алмаң.

 

Үш байрам

 

14Жылына үш мәрте Мениң алдыма келип байрам қылың. 15Сизлерге буйырғанымдай, Абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан сол айда шықтыңлар.
Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.
16Атызға еккен бийдайларыңызды жыйнап баслағаныңызда, Зүрәәт байрамын белгилең.
Ал гүзде атыздан барлық егинлериңизди жыйнап болғаныңызда, Жыйын-терим байрамын белгилең.
17Барлық ер адамларыңыз жылына үш рет Ийең болған Мениң, яғный Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек.
18Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен бермең.
Байрамда Маған арнап берилген қурбанлықтың майы азанға дейин қалдырылмасын.
19Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң.
Ылақты өз анасының сүтине писирмең.

 

Қудайдың периштесиниң баслап барыўы

 

20Мине, жолда сизлерди қорғаўы ҳәм сизлерди Мен таярлап қойған жерге апарыўы ушын, алдыңыздан бир периште жиберип атырман. 21Оған дыққатлы болып, сөзине қулақ салың. Оған қарсы шықпаң. Себеби Ол Мениң атымнан ҳәрекет еткенликтен, қарсылық көрсеткениңизге сабыр етпейди. 22Бирақ оның сөзин дыққат пенен тыңлап, айтқанларымның ҳәммесин орынласаңыз, Мен душпанларыңызға душпан болып, сизлерге қарсы шыққанларға қарсы тураман. 23Периштем алдыңызда жүрип, сизлерди амор, хетт, периз, кенаан, хиў ҳәм ебуслардың жерлерине алып барғанда, Мен оларды жоқ етемен. 24Сизлер олардың қудайларына табынып, хызмет қылмаң. Олардың әдетлерин де үйренбең. Керисинше, олардың қудайларын қулатып, кийели тасларын сындырып таслаң. 25Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге, яғный Маған сыйының. Сонда Мен сизлердиң нан-суўларыңызды жарылқап, араңыздағы кеселликлерди жоқ етемен. 26Елиңизде түсик түсиретуғын ҳәм бийперзент ҳаял болмайды. Мен сизлерге узақ өмир беремен.
27Сизлерге қарсы шыққан халықларды Меннен қорқатуғын қыламан ҳәм оларды албыратып таслайман. Душпанларыңыз алдыңыздан қашатуғын болады. 28Хиў, кенаан ҳәм хетт халықларын алдыңыздан қуўыў ушын, ешек ҳәрре[17] жиберемен. 29Ел қаңырап қалып, сизлерге зыян беретуғын жабайы ҳайўанлардың саны көбейип кетпеўи ушын, оларды бир жыл ишинде қуўып жибермеймен. 30Сизлер көбейип, сол елди ийелик етемен дегенше, оларды аз-аздан қуўып шығараман.
31Шегараңызды Қамыс теңизинен филистлер мәкан басқан теңизге дейин, қубладағы шөлден Евфрат дәрьясына дейин орнатаман. Сол елдиң адамларын сизлерге тәслим етемен, сизлер оларды алдыңыздан қуўып шығасызлар. 32Олар ҳәм олардың қудайлары менен келисим дүзбең. 33Олардың жериңизде жасаўына жол қоймаң. Болмаса олар сизлерди өз қудайларына сыйындырып, Маған қарсы гүна ислеўге баслайды ҳәм сизлерди дузаққа түсиреди.

 

24

 

Келисимниң тастыйықланыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Сен, және де, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетпис адам таўға көтерилип, Мениң алдыма келиңлер ҳәм узақта турып тәжим етиңлер. 2Тек сен ғана Маған жақынла, басқа ҳеш ким жақын келмесин. Халық сениң менен бирге таўға шықпасын.
3Муўса барып, Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин ҳәм нызамларын халыққа билдирди. Ҳәмме бир аўыздан:
– Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, – деп жуўап берди. 4Соннан кейин Муўса Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жазып қойды.
Ол ертеңине азанда таўдың етегине қурбанлық орын қурды. Израилдың он еки урыўының белгиси ретинде он еки тас сүтин орнатты. 5Соңынан ол Жаратқан Ийеге арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берип, татыўлық қурбанлығы ушын буғаларды сойыўға Израилдың жас жигитлерин жиберди. 6Муўса қанның ярымын ләгенлерге қуйды. Ал қалған ярымын қурбанлық орынға серпип жиберди. 7Кейин келисим китабын алып, халыққа оқып берди. Халық: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, Оған қулақ асамыз», – деди.
8Сонда Муўса ләгенлердеги қанды халыққа сеўип: «Бул – усы айтылған ҳәмме сөзлерге тийкарланып, Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисиминиң қаны», – деди.
9Соннан соң, Муўса, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетписи таўға шығып, 10Израилдың Қудайын көрди. Қудайдың аяқлары астына лазурит тасына уқсас, аспан сыяқлы тынық бир нәрсе төселген еди. 11Израил басшылары Қудайды көрсе де, Қудай оларға зыян тийгизбеди. Олар сол жерде ишип-жеди.
12Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Таўға, Мениң жаныма келип, усы жерде күтип тур. Халыққа үйретиў ушын, тегис еки тасқа жазылған нызам ҳәм буйрықларды беремен, – деди.
13Солай етип, Муўса ҳәм оның жәрдемшиси Ешуа жолға атланды. Муўса Қудайдың таўына шығып баратырып, 14ақсақалларға:
– Бизлер қайтып келгенше, усы жерде күтип турыңлар. Харон менен Хур сизлер менен бирге болады. Кимниң қандай иси болса, соларға айтсын, – деди.
15Муўса таўға шыққанда, таўды булт қаплады. 16Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Синай таўына түсти. Булт таўды алты күн қаплап турды. Жетинши күни Жаратқан Ийе булттың ишинен Муўсаны шақырды. 17Израиллыларға Жаратқан Ийениң салтанаты таўдың төбесинде жалмап жутатуғын от сыяқлы болып көринди. 18Муўса булт ишине кирип, таўға шықты. Ол қырқ күн ҳәм қырқ түн таўда қалды.

 

25

 

Мухаддес шатыр ушын берилетуғын қурбанлықлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2Израиллыларға айт, Маған садақа алып келсин. Шын жүреги менен берген ҳәр бир адамның садақасын қабыл етиңлер. 3Олардан қабыл ететуғын садақаларыңыз мыналар: алтын, гүмис, қола, 4жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиби, ешкиниң жүни, 5қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы, 6шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсимине арналған май ушын ҳәм түтетки ушын хош ийисли затлар, 7бас руўханийдиң эфодына ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.
8Арасында жасаўым ушын, израиллылар Маған арнап, Мухаддес мәкан таярласын. 9Мухаддес шатырды ҳәм оның буйымларын Мен саған көрсеткен үлгиге сай қылып ислеңлер.
10Акация ағашынан сандық ислеңлер. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ болсын. 11Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплат. Ал ернегине алтын жийек салдыр. 12Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйдырып, төрт туяғына орнаттыр: екеўи бир жағында, қалған екеўи екинши жағында болсын. 13Соңынан акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды алтын менен қаплат. 14Сандықты көтерип жүриў ушын, сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткиз. 15Сырықлар ҳалқалардан айырып алынбай, ҳәмме ўақыт ҳалқаларға киргизиўли турсын. 16Мен саған беретуғын келисим буйрықлары жазылған еки тасты сандықтың ишине салып қой.
17Сандықтың қақпағын да сап алтыннан ислет. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын. 18Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керуб[18] шөккишлеп соқтыр. 19Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал басқасы екинши шетинде болып, олар қақпақ пенен бир тутас қылып исленсин. 20Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турсын. 21Қақпақты сандықтың үстине, Мен саған беретуғын тасларды болса, сандықтың ишине қой. 22Мен сениң менен сол жерде, Келисим сандығының үстиндеги керублар арасында, яғный қақпақтың үстинде ушырасып, израиллылар ушын саған буйрықлар беремен.

 

Усынылған нанлар қойылатуғын стол

 

23Акация ағашынан бир стол ислет. Оның узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болсын. 24Столды сап алтын менен қаплатып, ернегине алтын жийек салдыр. 25Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислетип, оны алтын жийек пенен қаплат. 26Стол ушын төрт алтын ҳалқа ислетип, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяққа орнат. 27Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар қапталларға жақын орнатылсын. 28Сырықларды акация ағашынан ислетип, оларды сап алтын менен қаплат. Столды усы сырықлар жәрдеминде көтеретуғын болсын. 29Және де, стол ушын сап алтыннан табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын гүзелер ҳәм кеселер ислет. 30Мениң алдымдағы столда бәрқулла усынылған нанлар турсын.

 

Ҳәсте

 

31Сап алтыннан ҳәсте ислет. Оның ултаны, балдағы, шақалары, гүллери ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары өзи менен бир тутас болып шөккишлеп исленсин. 32Ҳәстениң еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турсын. 33Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын. 34Ҳәстениң балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын. 35Ҳәстеден шығып туратуғын алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип турсын. 36Ҳәсте гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп исленсин. 37Ҳәсте ушын жети шыра ислет. Шыраларды ҳәстениң алды бетине жақты түсирип туратуғындай етип орнат. 38Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдыслар да сап алтыннан болсын. 39Ҳәсте ҳәм оның барлық буйымлары бир талант[19] сап алтыннан исленсин. 40Абайлы бол, булардың ҳәммесин саған таўда көрсетилген үлгилер бойынша исле.

 

26

 

Мухаддес шатыр

 

1Ал Мухаддес шатырды он пердеден қур. Перделер ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден исленип, үстине керублардың сүўретлери шеберлик пенен кестеленсин. 2Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Ҳәмме пердениң өлшеми бирдей болсын. 3Перделер бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тигилсин. 4Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер ислет. Екинши перделерге де солай ислет. 5Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тиктир. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан болсын. 6Және де, елиў алтын илмек ислетип, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктир. Сонда шатыр бир тутас болады.
7Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде ислет. 8Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Он бир пердениң өлшеми бирдей болсын. 9Бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктир. Алтыншы пердени шатырдың алды бетине еки қабатлап бүклеп қойғыз. 10Солай етип, бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек ислет. 11Тағы да, қоладан елиў илмек ислет. Илгеклерди илмеклер менен илдирип, шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктир. 12Шатырдың перделеринен аўысқан ярым перде шатырдың арт жағына асып қойылсын. 13Ал перделердиң узынлығынан аўысқан бир шығанақ таўар шатырдың еки жағынан төмен салбырап, шатырды жаўып турсын. 14Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш ислет.
15Акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар ислет. 16Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын. 17Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып ислет. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай ислет. 18Шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай ислет. 19Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырқ гүмис ултан ислет. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан ислет. 20Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай ислет. 21Ал ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырқ гүмис ултан ислет. 22Шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай, 23шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай ислет. 24Бул мүйешлердеги тахтайлар төменнен жоқарыға дейин жупласып, жоқарыдағы бир ҳалқа менен бириктириледи. Еки мүйеш те усылай исленсин. 25Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан болады.
26Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада, 27екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын да бес қада ислет. 28Ал тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып ислет. 29Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплатып, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан ислет.
30Мухаддес шатырды таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша ислет.
31Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен бир перде ислет. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестелет. 32Акация ағашынан төрт баған ислетип, оларды төрт гүмис ултанға орнат. Бағанларды алтын менен қаплатып, оларға алтын айры илдиргишлерге илдир ҳәм усы илмешеклерге пердени қыстыр. 33Пердени шатырдың жоқарысындағы илмеклердиң төменине, айры илгишлерге илдир ҳәм ишки тәрепине Келисим сандығын киргизип қой. Бул перде Мухаддес бөлме менен Ең мухаддес бөлмени бир-биринен айырып турады. 34Қақпақты Ең мухаддес бөлмеде болған Келисим сандығының үстине қой. 35Столды пердениң сыртқы жағына, шатырдың арқаға қараған тәрепине орналастыр. Ҳәстени столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қой.
36Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслы перде тоқыт. 37Пердени илдириў ушын, акация ағашынан бес баған ислетип, оларды алтын менен қаплат ҳәм үстине алтын айры илдиргишлер орнат. Бағанлар ушын қоладан исленген бес ултан қуйдыр.

 

27

 

Қурбанлықлар жандырылатуғын орын

 

1Акация ағашынан төрт мүйешли қылып, қурбанлық орын дүзет. Орынның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ болсын. 2Оның төрт мүйешине өзинен шығып туратуғын шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларын қола менен қаплат. 3Орын ушын күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдыслар ислет. Олардың ҳәммесин қоладан ислет. 4Қурбанлық орынға қоладан тор сыяқлы нағыс ҳәм оның төрт мүйешине қоладан төрт ҳалқа ислет. 5Тор нағысты қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан ислет. 6Орын ушын акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды қола менен қаплат. 7Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның еки жағындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизип қой. 8Орын тахтайдан исленип, иши бос болсын. Орынды таўда саған көрсетилгендей қылып ислет.

 

Мухаддес шатыр ҳәўлиси

 

9Мухаддес шатырдың ҳәўлисин қур. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, ҳасыл зығыр жиптен тоқылған перделер тақ. 10Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма баған орнат. Ал бағанның айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын. 11Арқа тәрепи ушын да узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма баған ҳәм бағанлар ушын қоладан жигирма ултан исленсин. Бағанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.
12Ҳәўлиниң батыс тәрепи ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он баған ҳәм оған он ултан исленсин. 13Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң кеңлиги елиў шығанақ болсын. 14Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш баған ҳәм үш ултан болсын. 15Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш баған ҳәм үш ултан болсын.
16Ҳәўлиниң кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден, және де, ҳасыл зығырдан узынлығы жигирма шығанақ болған нағыслы перде тоқыт. Оған төрт баған ҳәм төрт ултан исленсин. 17Ҳәўлиниң әтирапындағы барлық бағанлар гүмис карнизлер ҳәм гүмис айры илдиргишлер менен бириктирилсин. Олардың ултанлары қола болсын. 18Ҳәўлиниң узынлығы жүз, ени елиў, ал әтирапындағы ҳасыл зығыр жибинен тоқылған перделердиң бийиклиги бес шығанақ болсын. Ултанлар қоладан болсын. 19Шатырға тийисли барлық затлары, шатырдың ҳәм ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан болсын.

 

Шыралар ушын май

 

20Шыралар ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, Израил халқына сапалы зәйтүн майынан әкелиўди буйыр. 21Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында, кештен таңға дейин шыралардың Мениң алдымда жаныўын тәмийинлесин. Бул израиллылар ушын әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.

 

28

 

Руўханийлердиң кийимлери

 

1Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, израиллылар арасынан әжағаң Харонды, оның уллары Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды жаныңа ал. 2Әжағаң Харонның мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оған мухаддес кийимлерди тиктирип бер. 3Мен айрықша қәбилет берген адамларға айт, олар Харонның Маған бағышланып, руўханийлик етиўи ушын, оған кийим тиксин. 4Олар мына кийимлерди тиксин: қалталы өңирше, эфод, баҳалы үст кийим, нағыслы узын көйлек, сәлле ҳәм белбеў. Руўханий болып Маған хызмет қылыўы ушын, олар әжағаң Харонға ҳәм оның улларына бул мухаддес кийимлерди тиксин. 5Олар алтын, және жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жибин қоллансын.

 

Эфод

 

6Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип пенен ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислесин. 7Оның алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баўы болсын. 8Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда белбеў ислет. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленсин. 9Кейин сен еки оникс тас алып, оларға Израил улларының атларын ойып жаздыр. 10Жасына қарап, алтаўын биринши тасқа, қалған алтаўын екинши тасқа ойып жаздыр. 11Устаның тасқа мөрди ойып жазғанындай, Израил улларының атларын да еки тасқа ойып жаздыр ҳәм тасларды өрме нағыслы алтын қаснаққа қондыр. 12Соңынан усы тасларды эфодтың ийин баўларына орнат. Харон Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма киргенде, сол таслар Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, ол еки ийин баўында бул тасларды алып жүреди.
13Алтыннан және өрме нағыслы еки қаснақ ислет. 14Сап алтыннан өрилген шынжырлар ислетип, оларды қаснақларға бириктир.

 

Өңирше

 

15Қудайдың еркин билиўде қолланылатуғын қалталы өңирше ислет. Оны да эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислет. 16Өңирше төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс болсын. 17Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл тасларды қада. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет, 18екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат, 19үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист, 20төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болсын. Таслар алтын қаснақларға орнатылыўы тийис. 21Таслар он еки болып, оларда мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылсын. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы болсын.
22Қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар ислет. 23Тағы да, еки алтын ҳалқа да ислетип, оларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақ. 24Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдир. 25Ал екинши ушын ийин баўлардағы еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине байла. 26Және еки алтын ҳалқа ислет. Оларды өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақ. 27Тағы да, еки алтын ҳалқа ислет. Оларды эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақ. 28Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқалары қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлансын. Сонда өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында турады.
29Солай етип, Харон ҳәр сапар Мухаддес орынға киргенде, Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге естелик болыўы ушын, Израил улларының атлары жазылған ҳүким өңиршесин жүрегиниң тусында көтерип жүреди. 30Усы қалталы өңиршеге Урим менен Туммимди[20] салып қой. Харон Мениң алдыма келгенде, олар Харонның жүрегиниң тусында болсын. Харон израиллыларға Мениң еркимди билдириў ушын қолланатуғын Урим менен Туммимди Жаратқан Ийениң алдында бәрқулла жүрегиниң тусында алып жүрсин.

 

Руўханийлердиң басқа кийимлери

 

31Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийим толық қызғыш көк жиптен исленсин. 32Онда бас сыятуғын орын болсын. Ол сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыт. 33-34Усы кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиптен исленген анарды ҳәм оның араларына кишкене алтын қоңыраўларды гезекпе-гезек тақтыр. 35Харон хызмет еткенде, усы кийимди кийсин. Ол Мухаддес орынға киргенде ҳәм шыққанда қоңыраў сести еситилсин, сонда ол өлмей аман қалады.
36Сап алтыннан таж сыяқлы маңлайша ислетип, оған мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жаздыр. 37Маңлайша қызғыш көк баў менен сәллениң алды бетине байлап қой. 38Солай етип, израиллылар Маған арнап мухаддес сыйларын әкелгенде, қәтеге жол қойса, олардың айыпларын Харон өз мойнына алады. Мениң олардың қурбанлықларын қабыл алыўым ушын, Харон маңлайшаны бәрқулла маңлайына тағып жүриўи тийис.
39Ҳасыл зығырдан бир узын көйлек нағыслап тоқыт ҳәм ҳасыл зығырдан бир сәлле ислет. Және де, нағыслы белбеў тоқыт.
40Харонның уллары мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оларға узын көйлеклер, белбеўлер ҳәм кишигирим сәллелер тиктир. 41Бул кийимлерди әжағаң Харонға ҳәм оның улларына кийдир. Олардың басларына май қуйып, руўханийлик ўазыйпасына тайынла. Усылай етип, олардың хызмет етиўи ушын, Маған бағышла.
42Денениң ашық жерлери көринип қалмаўы ушын, оларға зығырдан диз кийимлер тиктир. Бул кийимлер белинен дизесине дейин жаўып турсын. 43Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырына киргенде ямаса Мухаддес жерде хызмет етиў ушын қурбанлық орынға жақынлағанда, усы кийимлерди кийиўи тийис. Болмаса, олар айыплы болып, өлип қалады. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болсын.

 

29

 

Руўханийликке тайынланыў

 

1Харонды ҳәм оның улларын руўханий қылып, Маған хызмет етиўге бағышлаў ушын мыналарды исле: минсиз бир буға ҳәм еки қошқар ал. 2Сапалы бийдай унынан ашытқысыз нанлар, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ҳәм үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер жаптыр. 3Оларды бир себетке салып, буға ҳәм қойлар менен бирге Маған алып кел. 4Харон ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды жуўындыр. 5Кейин руўханийлик кийимлерин ал да, Харонға узын көйлек, баҳалы үст кийим ҳәм эфодты кийгизип, қалталы өңиршени тақ. Эфодтың белбеўин белине байла. 6Харонның басына сәлле орап, алдынғы жағына мухаддес тажды тағып қой. 7Соңынан майлайтуғын зәйтүн майын алып, оның басына қуйып, оны майла. 8Кейин Харонның улларын алып келип, оларға узын көйлеклерди кийгиз. 9Беллерине белбеў байлап, басларына кишигирим сәлле ора. Харон ҳәм оның урпақлары қағыйда бойынша мәңгиге руўханийлер болып қалады. Усылайынша, Харон ҳәм оның улларын хызметке тайынла.
10Кейин Ушырасыў шатырының алдына буғаны алып келип, Харон ҳәм оның улларының қолларын буғаның басына қойдыр. 11Буғаны Мениң алдымда, Ушырасыў шатырының алдында сой. 12Оның қанын бармағың менен қурбанлық орынның шақларына жақ. Қалған қанның ҳәммесин орынның түбине төк. 13Малдың ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, бөтекелерин ҳәм олардың майларын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр. 14Ал буғаның гөшин, терисин ҳәм дәрисин ордадан сыртқа шығарып, жағып жибер. Бул – гүна ушын қурбанлық.
15Соң бир қошқар әкелип, Харон ҳәм оның улларының қолларын қошқардың басына қойдыр. 16Қошқарды өзиң сойып, қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер. 17Қошқарды бөлеклеп, оның ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, буларды бөлекленген гөш пенен бастың үстине қой. 18Қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр. Усы Жаратқан Ийеге арналған жандырылатуғын қурбанлық, Оған хош ийисли сый болады.
19Кейин екинши қошқарды алып кел. Харон ҳәм оның уллары қошқардың басына қолларын қойғаннан соң, 20қошқарды сойып, қанын Харон ҳәм оның улларының оң қулақларының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына жақ. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер. 21Қурбанлық орынның үстиндеги қанды ҳәм майлайтуғын зәйтүн майын Харонға, оның улларына ҳәм олардың кийимлерине сеп. Сонда Харон ҳәм оның кийимлери, оның уллары ҳәм олардың кийимлери мухаддес болады.
22Қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, бөтекелерин майлары менен қоса оң жақ санын ал. Себеби бул – руўханийликке тайынлағанда сойылатуғын қошқар. 23Мениң алдымдағы себеттен ашытқысыз бир шөрек, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз бир шөрек ҳәм бир пәтир ал. 24Олардың ҳәммесин Харонның ҳәм оның улларының қолларына сал. Буларды Мениң алдымда жоқары көтерип усыныңлар. 25Соңынан сол нәрселерди олардың қолларынан алып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып, Маған хош ийисли сый қылып түтетип жандыр. Бул – Жаратқан Ийеге, яғный Маған арналған сый болады. 26Қошқардың төсин болса, Мениң алдымда жоқары көтерип усын. Бул төс сениң пайың болады.
27Харон ҳәм оның улларының тайынланыўы ушын сойылған қошқардың жоқары көтерип усынылған төсин ҳәм ажыратылған санын Маған бағышла. 28Бул жиликлер садақа болғаны ушын, израиллылар буларды Харонға ҳәм оның улларына мәңги пай етип берсин. Бул израиллылардың татыўлық қурбанлықларынан Жаратқан Ийеге, яғный Маған усынған садақасы болады.
29Харонның мухаддес кийимлери өзинен кейин урпақларына қалсын. Олар май қуйылып, хызметке тайынланғанда, сол кийимлерди кийеди. 30Мухаддес орында хызмет етиў ушын, Харонның орнына руўханийликке тайынланатуғын ҳәм Ушырасыў шатырына киретуғын улы жети күн даўамында усы кийимлерди кийип жүриўи тийис.
31Руўханийликке тайынлаў рәсиминде қурбанлық етип берилген қошқардың гөшин бир мухаддес жерде қайнат. 32Олар сол гөшти ҳәм себеттеги нанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында жесин. 33Оларды руўханийликке тайынлаў рәсиминде гүналардан пәклеў ушын усынылған нан ҳәм гөшти Харон ҳәм оның уллары жесин. Бул нәрселер мухаддес болғаны ушын, олардан басқа адамлардың жеўине болмайды. 34Бул рәсимде сойылған қурбанлықтың гөшинен ямаса наннан азанға дейин аўысып қалса, оларды жағып жибер. Олар мухаддес болғанлығы себепли, желинбеўи керек.
35Буларды Харон ҳәм оның уллары ушын Мениң саған буйырғанымдай етип орынла. Оларды руўханийликке тайынлаў рәсими жети күн даўам етсин. 36Гүналардан пәклениў ушын ҳәр күни бир буға әкел. Қурбанлық орынды тазалаў ушын гүна қурбанлығын бер ҳәм оны мухаддес қылыў ушын оған май жақ. 37Жети күн даўамында орынды тазалап, мухаддес қыл. Сол тәризде қурбанлық орын жүдә мухаддес болады. Оған тийип кеткен ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.

 

Күнделикли қурбанлықлар ҳаққында

 

38Ҳәр күни бир жасар еки еркек тоқлы қурбанлық орынның үстинде қурбанлыққа бер. 39Тоқлының биреўин азанда, ал екиншисин кеште бер. 40Биринши тоқлыға қосып, төрттен бир ҳин[21] сапалы зәйтүн майына араластырылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин шарап бер. 41Екинши тоқлыны кеште Маған хош ийисли сый қылып, азанғысындай ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге усын. 42Бул жандырылатуғын қурбанлық Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында, Жаратқан Ийениң алдында әўладлар даўамында мәңгиге берилип барылсын. Мен сол жерде сениң менен ушырасып, сөйлесемен. 43Мен израиллылар менен сол жерде ушырасаман, шатыр салтанатым менен мухаддес болады.
44Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды мухаддес қыламан. Харон ҳәм оның улларын да руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын мухаддес қыламан. 45Мен израиллылар арасында жасап, олардың Қудайы боламан. 46Сонда арасында жасаў ушын, оларды Мысырдан шығарған Қудайы Жаратқан Ийе Мен екенимди олар билип алады. Мен – олардың Қудайы Жаратқан Ийемен.

 

30

 

Түтетки түтетилетуғын орын

 

1Түтетки түтетиў ушын, акация ағашынан түтетки түтетилетуғын орын ислет. 2Ол төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ, бийиклиги еки шығанақ болып, өзинен шығып туратуғын шақлары менен бир тутас қылып исленсин. 3Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек ислет. 4Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнат. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизиледи. 5Сырықларды акация ағашынан ислетип, алтын менен қаплат. 6Орынды Келисим сандығының, яғный сандықтың үстиндеги төлем төлеў қақпағының алдындағы пердениң сыртына, Мен сениң менен ушырасатуғын жердиң сыртына қой.
7Харон ҳәр күни азанда шыраларды таярлағанда, орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетсин. 8Ал кешқурын шыраларды жаққанда, және түтетки түтетсин. Солай етип, Мениң алдымда әўладлар бойы түтетки үзликсиз жанып турады. 9Орынның үстинде жат болған түтетки түтетпең ҳәм бунда жандырылатуғын қурбанлық та, ғәлле садақасын да бермең. Оның үстине ишимлик садақасын да төкпең. 10Харон жылына бир рет гүналардың кеширилиўи ушын берилген қурбанлықтың қанын түтетки түтетилетуғын орынның шақларына жағып, орынды тазалайды. Бул ҳәр жылы, әўладтан-әўладқа даўам етсин. Орын Маған, Жаратқан Ийеге бағышланған болып, жүдә мухаддесдур.

 

Мухаддес шатыр ушын төленетуғын қун

 

11Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 12«Израиллылардың есабын алғаныңда, есаптан өткен ҳәр бир адам өз жаны ушын Маған қун төлесин. Сонда олардың есабын алғаныңда, оларға апат келтирмеймен. 13Есаптан өтетуғын ҳәр бир адам Маған Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекел гүмис нәзир берсин. Бир шекел[22] жигирма герадан[23] ибарат. 14Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өтетуғын адамлар Маған нәзир бериўи тийис. 15Жаныңыздың қуны сыпатында усы нәзирди бергениңизде, бай адам ярым шекелден артық, ал жарлы адам ярым шекелден кем бермеўи керек. 16Израиллылардың қун сыпатында берген гүмислерин алып, Ушырасыў шатырының хызметинде қоллан. Бул Жаратқан Ийениң алдында жанларыңыздың қуны төленгенин еслетип турады».
17Және Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 18«Жуўыныў ушын, қоладан үлкен ләген ислет. Оның туяқлары да қоладан болсын. Ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй. 19Харон ҳәм оның уллары аяқ-қолларын оған жуўады. 20Олар Ушырасыў шатырына кирместен, яғный Жаратқан Ийеге сыйлар түтетип жандырыў ушын қурбанлық орынға жақынламастан алдын, өлип қалмаўы ушын, суўға жуўынып алыўы тийис. 21Өлип қалмаўы ушын олар аяқ-қолларын жуўсын. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болып қалады».

 

Майлаў рәсимине арналған май

 

22Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди: 23«Мына ең жақсы хош ийисли затларды ал: 500 шекел суйық мирра, оның ярымына тең, 250 шекел корица, 250 шекел ийисли қамыс 24ҳәм 500 шекел кассия. Ҳәммеси Мухаддес орын өлшеми менен өлшенсин. Бир ҳин[24] зәйтүн майын алып, 25буларды шеберлик пенен араластырып, хош ийисли мухаддес май исле. Ол майлаў рәсимине арналған мухаддес май болады. 26Бул майды Ушырасыў шатырына, Келисим сандығына, 27столға, ҳәстеге ҳәм оларға тийисли ҳәмме буйымларға, түтетки түтетилетуғын орынға, 28қурбанлық жандырылатуғын орынға ҳәм оның ҳәмме буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына жағып шық. 29Сол тәризде оларды мухаддес қыл. Сонда олар жүдә мухаддес болады. Оларға тийген ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.
30Соң, руўханий болып Маған хызмет етиўи ушын, Харон ҳәм оның улларына май жағып, оларды бағышла. 31Ал израиллыларға былай деп айт: „Бул майлайтуғын мухаддес май әўладтан әўладқа тек Мен ушын қолланылады. 32Оны басқа адамлардың денесине жағыўға болмайды. Усындай қурамдағы майды өзлериңизге таярламаңлар. Ол мухаддес ҳәм сизлер ушын да мухаддес болыўы керек. 33Ким де ким усындай майды таярлап, оны руўханий болмаған адамға жақса, ол Израил халқы арасынан жоқ қылынады“».
34Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: «Мына хош ийисли затларды: бальзамды, моллюск бақаншағын, галбан шайырын ҳәм таза ливан шайырын ал. Олардың ҳәммеси бирдей мөлшерде болсын. 35Буларды шеберлик пенен араластырып, түтетки исле. Олар дузланған, сап ҳәм мухаддес болады. 36Оның бир бөлегин алып, майдалап унта ҳәм Мениң сен менен ушырасатуғын Ушырасыў шатырымдағы Келисим сандығының алдына қой. Сизлер ушын ол жүдә мухаддес болады. 37Өзлериңиз ушын усындай қурамдағы түтетки ислемеңлер. Оны Жаратқан Ийеге арналған мухаддес деп санаңлар. 38Ким де ким өзи ушын түтетиўге усындай түтетки ислесе, ол халық арасынан жоқ етиледи».

 

31

 

Мухаддес шатырды ислейтуғын усталар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2«Минекей, Мен Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңладым. 3Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик бердим. 4Ол алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем ислерин ислеўге, 5ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеўге қәбилетли. 6Және де, Дан урыўынан болған Ахисамахтың улы Оҳолиабты оған жәрдемши қылып бердим. Саған буйырған ислеримниң ҳәммесин ислей алыўы ушын, Мен оларға жәрдем беретуғын барлық адамларға айрықша қәбилет бердим. 7Олар Ушырасыў шатырын, Келисим сандығын, сандықтың үстиндеги қақпақты, шатырдағы барлық буйымларды, 8стол ҳәм оның буйымларын, сап алтын ҳәстени ҳәм оның буйымларын, түтетки түтетилетуғын орынды, 9қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм орынның ҳәмме буйымларын, үлкен ләген ҳәм оның туяқларын, 10сондай-ақ, руўханий Харон ушын әжайып қылып тигилген мухаддес кийимлерди, оның улларының руўханийлик кийимлерин, 11майлайтуғын зәйтүн майын, Мухаддес орын ушын хош ийисли түтеткини, улыўма ҳәммесин Мениң саған буйырғанымдай қылып ислесин».

 

Шаббат күни

 

12Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 13«Израиллыларға мыналарды айт: „Маған тийисли болған Шаббат күнине әмел қылыңлар. Себеби бул Мен ҳәм Израил халқы арасындағы әўладтан әўладқа даўам ететуғын бир нышан болады. Солай етип, Жаратқан Ийе екенимди ҳәм сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылғанымды билип аласызлар.
14Шаббат күнине әмел қылыңлар. Өйткени бул сизлер ушын мухаддес. Ким де ким оны хорласа, ол сөзсиз өлтирилсин. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылыныўы тийис. 15Алты күн жумыс ислеңлер, бирақ жетинши күн Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Усы күни жумыс ислеген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. 16Израиллылар мәңги келисим сыпатында Шаббат күнин, әўладтан-әўладқа сақласын. 17Бул Мениң менен израиллылар арасындағы мәңгилик бир нышан болады. Себеби Мен, Жаратқан Ийе аспан ҳәм жерди алты күнде жараттым, ал жетинши күни дем алып, ҳәллендим“».
18Солай етип, Қудай Синай таўында Муўса менен сөйлесип болып, оған буйрықлар жазылған еки тасты берди. Қудай бул буйрықларды тасларға Өз қолы менен жазған еди.

 

32

 

Алтын тана

 

1Халық Муўсаның таўдан түспей, иркилип атырғанын көргенде, Харонның әтирапына жыйналды да:
– Қәне, бизлерге баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз, – деди.
2Харон оларға:
– Ҳаялларыңыз, улларыңыз ҳәм қызларыңыздың қулақларындағы алтын сырғаларды шешип, маған алып келиңлер, – деди.
3Сонда пүткил халық қулақларындағы сырғаларын дәрҳал жулып алды да, оларды Харонға берди. 4Харон сырғаларды алып, олардан тананың мүсинин соқты. Сонда халық: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.
5Харон буны көрип, тананың алдына бир қурбанлық орын қурды да: «Ертең Жаратқан Ийеге арнап байрам болады», – деп жәриялады. 6Ертеңине азанда халық жандырылатуғын қурбанлықлар берди ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. Олар ишип-жеў ушын отырды ҳәм кейин орынларынан турып, ойынға түсти.
7Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Тезирек төмен түс. Сениң Мысыр жеринен алып шыққан халқың жолдан азды. 8Олар Мен буйырған жолдан тез шығып кетти. Өзлерине тананың мүсинин ислеп алып, оған сыйынды ҳәм қурбанлықлар берип: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.
9Жаратқан Ийе Муўсаға тағы да:
– Бул халықтың қаншелли қайсар екенин билемен. 10Енди Мени иркпе. Ғәзебим лаўлап, оларды жоқ қыламан ҳәм сеннен уллы халық дөретемен, – деди.
11Сонда Муўса Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди:
– О, Жаратқан Ийе! Неге Өз халқыңа ғәзебиң лаўлайды? Өзиң оларды Мысыр жеринен уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен алып шыққан едиң-ғо. 12Егер солай ислесең, онда мысырлылар: «Қудай оларды жаман нийет пенен, таўларда өлтирип, жер жүзинен жоқ қылыў ушын алып шығыпты», – деп айтады. Сонлықтан Өзиңниң лаўлаған ғәзебиңди басып, халқыңды жоқ қылыў нийетиңнен қайт. 13Қулларың Ибрайым, Ысақ ҳәм Израилды[25] есиңе түсир. Оларға Өз атың менен ант ишип: «Урпақларыңызды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтемен. Сизлерге беремен деп ўәде еткен усы жердиң ҳәммесин урпақларыңызға беремен. Олар сол жерди мәңгиге ийелик етеди», – деген едиң.
14Солай етип, Жаратқан Ийе халқына жиберемен деген жаманлықты жибериў нийетинен қайтты.
15Муўса буйрықлар жазылған еки тасты алып, таўдан түсти. Таслардың еки тәрепине де: алдына да, артына да жазылған еди. 16Тасларды Қудай ислеген болып, таслардағы жазыўларды да Ол ойып жазған еди.
17Ешуа халықтың бақырысқан даўысын еситкенде, Муўсаға:
– Ордадан урыс шаўқымы еситилип тур, – деди.
18Муўса оған былай деп жуўап берди:
– Бул урыста жеңиске ерискенлердиң қышқырығына да, жеңилиске ушырағанлардың зарлаған даўысына да уқсамайды. Мен олардың даўыслап қосық айтып атырғанын еситип турыппан.
19Муўса ордаға жақынлағанда, тананы ҳәм ойынға түсип атырған адамларды көрди. Сонда оның ғәзеби лаўлады ҳәм қолындағы тасларды ылақтырып жиберип, таў етегинде оларды шыл-пәрше қылды. 20Муўса халық соққан тананы отқа жағып жиберди. Оны езип, унтады да, суўға шашып жиберди ҳәм суўды израиллыларға ишкизди.
21Муўса Харонға:
– Бундай аўыр гүнаға батырғандай, бул халық саған не ислеген еди? – деди.
22Харон Муўсаға былай деп жуўап берди:
– Ғәзепленбе, мырзам! Бул халықтың жаманлыққа бейим екенин өзиң билесең. 23Олар маған: «Бизлерди баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз», – деди. 24Мен оларға: «Кимде алтын бар болса, оларды шешсин», – дегенимде, олар алтынларын маған берди. Мен оларды отқа таслағанымда, бул тана шыға келди.
25Муўса Харонның халықты қадағаламай, жүўенсиз жибергенин ҳәм олардың душпанларға масқара болғанын көрди. 26Сонлықтан Муўса орданың кирер аўзында турып: «Ким Жаратқан Ийе тәрепинде болса, мениң жаныма келсин», – деди. Сонда пүткил Лебий урыўы оның әтирапына жыйналды.
27Муўса оларға: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Ҳәр бир адам қылышын белине асынсын ҳәм орданың арғы аўзынан берги аўзына дейин аралап шығып, туўысқанын, достысын ҳәм жақынларын өлтирсин“», – деди. 28Лебий урыўының адамлары Муўсаның буйрығын орынлады. Сол күни халықтан үш мыңға жақын адам өлди. 29Муўса Лебий урыўының адамларына: «Бүгин сизлердиң ҳәр бириңиз өз улыңыздың ҳәм өз туўысқаныңыздың жанының қуны менен Жаратқан Ийениң хызметине бағышландыңызлар. Бүгин Жаратқан Ийе сизлерге жарылқаўын жаўдырады», – деди.
30Ал ертеңине Муўса халыққа: «Сизлер аўыр гүна иследиңлер. Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң алдына шығажақпан. Мүмкин, сизлердиң гүналарыңызға кеширим ала аларман», – деди.
31Соннан соң, Муўса Жаратқан Ийениң алдына қайтып барып:
– Әттең, бул халық аўыр гүна иследи. Олар өзлерине алтын бут соқты. 32Бирақ, Сен олардың гүналарын кешир. Егер олай ислемесең, Өзиңниң жазған китабыңнан мениң атымды өширип тасла, – деди.
33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Ким Маған қарсы гүна ислеген болса, соның атын китабымнан өширип таслайман. 34Енди бар, халықты саған айтқан жериме апар. Периштем сени баслап барады. Бирақ, олар жуўапқа тартылатуғын күни, Мен оларды гүнасы ушын жазалайман.
35Солай етип, Жаратқан Ийе халықты Харонға соқтырған танасы ушын жазалады.

 

33

 

Синайдан кетиўге таярлық

 

1Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Барыңлар, өзиң де, сен Мысыр жеринен алып шыққан халқың да бул жерди тәрк етип, Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен жериме кетиңлер. 2Мен сениң алдыңнан Өз периштемди жиберип, кенаан, амор, хетт, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сол жерден қуўып шығараман. 3Ол сизлерди сүт ҳәм пал аққан жерге баслап барады. Мениң Өзим сизлер менен бармайман, себеби сизлер қайсар халықсыз. Болмаса, сизлерди жолда жоқ қылып жибериўим мүмкин.
4Халық бул жаман хабарды еситип, қайғыға түсти ҳәм ҳеш ким безениў буйымларын тақпады. 5Өйткени Жаратқан Ийе Муўсаға: «Израиллыларға былай де: „Сизлер қайсар халықсыз. Егер Мен бир сәт-ақ сизлер менен бирге барсам, сизлерди жоқ қылыўым мүмкин. Енди безениў буйымларыңызды шешип қойыңлар. Ал сизлерге не ислейтуғыным ҳаққында бир қарарға келемен“», – деген еди. 6Сонлықтан израиллылар Хореб таўынан шығып кеткеннен кейин безениў буйымларын шешип таслады.
7Муўса орданың сыртына, ордадан узағырақ жерге шатыр тигетуғын еди. Ол бул шатырды «Ушырасыў шатыры» деп атаған еди. Жаратқан Ийе менен мәсләҳәтлесиўди қәлеген адам орданың сыртындағы Ушырасыў шатырына келетуғын еди. 8Муўса шатырға қарай кеткенде, пүткил халық орнынан туратуғын еди. Ҳәр бир адам өз шатырының кирер аўзында турып, Муўса ишке киргенше изинен қарап туратуғын еди. 9Муўса шатырға кирип, Жаратқан Ийе менен сөйлескенде, минара сыяқлы булт төмен түсип, шатырдың аўзында туратуғын еди. 10Булттың шатырдың кирер аўзында турғанын көрген ҳәр бир адам орнынан турып, өз шатырының кирер аўзында сыйынатуғын еди. 11Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз, дос сыяқлы сөйлесетуғын еди. Кейин Муўса ордаға қайтып келетуғын еди. Бирақ оның жас жәрдемшиси Нун улы Ешуа шатырды тәрк етпейтуғын еди.
12Соңынан Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
– Сен маған: «Бул халықты баслап алып жүр», – дейсең. Бирақ мениң менен кимди жиберетуғыныңды айтпадың. Маған: «Сени жақыннан таныйман, сен Мениң мийримиме еристиң», – деген едиң. 13Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, өтинемен, маған Өз жолыңды көрсет. Сени еле де жақсы билип, мийримиңе ерисип барайын. Бул халықтың Өз халқың екенин умытпа.
14Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Өзим Сениң менен бирге бараман ҳәм сени тынышлыққа еристиремен, – деди.
15Ал Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
– Егер Сениң Өзиң бизлер менен бирге бармасаң, бизлерди бул жерден шығарма. 16Болмаса, мен ҳәм халқың Сениң мийримиңе ерискенимизди қалай билиўге болады? Сениң бизлерге жолдас болғаныңнан емес пе? Тек усы арқалы ғана мен ҳәм Сениң халқың жер жүзиндеги басқа халықлардан айырылып турамыз.
17Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Айтқаныңдай ислеймен. Себеби сен Мениң мийримиме еристиң ҳәм сени атың арқалы таныйман, – деди.
18Сонда Муўса Оған:
– Маған салтанатыңды көрсет, – деди.
19Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мен пүткил ийгилигимди сениң алдыңнан алып өтип, алдыңда Өзимниң «Жаратқан Ийе» деген атымды жәриялайман. Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен. 20Тек Мениң жүзимди көре алмайсаң. Өйткени Мениң жүзимди көрген адам тири қалмайды. 21Маған жақын жерде жартас бар. Сен сол жартастың үстинде тур. 22Салтанатым жаныңнан өтип баратырғанда, сени жартастың жарығына турғызып қойып, өтип кеткенимше, сени қолым менен жаўып тураман. 23Кейин қолымды алғанымда, сен Мени артымнан көресең. Бирақ жүзимди көрмейсең.

 

34

 

Келисимниң жаңаланыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Бурынғыға уқсаған еки тас жонып ал. Мен сен сындырып таслаған таслардағы сөзлерди усыларға жазаман. 2Азанға дейин таярлан. Азан болғанда, Синай таўына шығып, таўдың төбесинде, Мениң менен ушырасыўға алдыма бар. 3Сениң менен бирге басқа ҳеш ким таўға шықпасын ҳәм таўдың ҳеш бир жеринде ҳеш ким көринбесин. Таўдың етегинде мал-жанлықлар да отламасын.
4Муўса бурынғыға уқсаған еки тас жонып алды. Жаратқан Ийениң буйырғанындай, ертеңине азанда тасларды алып, Синай таўына шықты. 5Жаратқан Ийе булт ишинде сол жерге түсип, Муўсаның қасында турды ҳәм Өзиниң «Жаратқан Ийе» деген атын жәриялады. 6Ол Муўсаның алдынан өтип: «Жаратқан Ийемен, Жаратқан Ийемен. Реҳимли, мийримли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги шексиз ҳәм садық Қудайман. 7Мыңыншы әўладларға дейин сүйиспеншилик көрсетип, айыпларды, жынаятларды ҳәм гүналарды кешириўшимен. Бирақ ҳеш бир айыпты жазасыз қалдырмайман. Ата-бабалардың ислеген айыплары ушын, олардың улларын, ақлықларын, үшинши ҳәм төртинши әўладын жазалайман», – деди.
8Сонда Муўса дәрҳал жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды да:
9– О, Ийем! Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, бизлер менен бирге бар. Бул халық – қайсар халық болса да, Сен бизлердиң айып-гүналарымызды кеширип, бизлерди Өз халқың сыпатында қабыл ет, – деди.
10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Мине, сениң халқың менен келисим дүземен. Олардың алдында дүньяда ҳәм басқа халықлар арасында болып көрилмеген кәраматлар ислеймен. Сен арасында жасап атырған пүткил халық нелер ислейтуғынымды көреди. Мениң сен ушын ислейтуғын ислерим қорқынышлы болады. 11Бүгин сизлерге беретуғын буйрықларыма бойсыныңлар. Амор, кенаан, хетт, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығараман. 12Өзлериңиз киретуғын елдеги адамлар менен келисим жасаўдан аўлақ болың. Себеби бул сизлер ушын дузақ болады. 13Олардың қурбанлық орынларын қыйратып, кийели тасларын майдалап таслаңлар ҳәм кийели ағашларын шаўып таслаңлар. 14Басқа қудайларға сыйынбаң. Өйткени Мен қызғаншақ деген аты бар Жаратқан Ийемен, қызғаншақ Қудайман. 15Сол жердиң халқы менен ҳеш қандай келисим дүзбең. Болмаса, олар опасызлық қылып, өз қудайларына арнап қурбанлық шалғанда, сизлерди де мирәт етеди, сизлер де олардан жейсизлер. 16Егер олардың қызларын улларыңызға алып берсеңиз, онда сол қызлар өз қудайларына ерип, бузықлық қылғанда, улларыңызды да излерине ертип кетеди.
17Өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң.
18Сизлерге буйырғанымдай, Абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан Абиб айында шықтыңлар.
19Қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси, барлық ири ҳәм майда малларыңыздың туңғыш еркек төллери Маған тийисли. 20Ешектиң биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын үзиң. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.
Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.
21Алты күн жумыс ислеп, жетинши күни дем алың. Егин егиў ҳәм оны орыў ўақтында да дем алың.
22Бийдайдың биринши өнимин жыйнағанда, Ҳәптелер байрамын, ал гүзде Жыйын-терим байрамын өткизиң. 23Барлық ер адамларыңыз жылына үш рет Ийең болған Мениң, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек. 24Мен басқа миллетлерди алдыңыздан қуўып жиберип, шегараларыңызды кеңейтемен. Жылына үш рет Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына келгениңизде, ҳеш ким жериңизди басып алыўды нийет етпейди.
25Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен усынбаң. Қутқарылыў байрамының қурбанлығы азанға дейин қалдырылмасын.
26Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң.
Ылақты өз анасының сүтине писирмең.
27Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Мына сөзлерди жаз. Себеби Мен сениң менен ҳәм израиллылар менен усы сөзлерге тийкарланып, келисим дүземен, – деди.
28Муўса сол жерде қырқ күн, қырқ түн Жаратқан Ийе менен бирге болды. Ол ҳеш нәрсе ишип-жемеди ҳәм келисим сөзлерин, яғный он буйрықты тасларға жазды.

 

Муўсаның Синай таўынан түсиўи

 

29Муўса қолына буйрықлар жазылған еки тасты алып, Синай таўынан түсти. Ол Жаратқан Ийе менен сөйлескенликтен, жүзинен нур шашып тур еди. Бирақ буны өзи билмеди. 30Харон ҳәм пүткил израиллылар Муўсаның нур шашқан жүзин көргенде, оған жақынласыўға қорқты. 31Бирақ Муўса оларды қасына шақырды. Харон ҳәм жәмийеттиң барлық басшылары оның жанына келди. Муўса олар менен сөйлести. 32Кейин пүткил Израил халқы оған жақын келди. Муўса Жаратқан Ийениң Синай таўында өзине айтқанларының ҳәммесин орынлаўды халыққа буйырды. 33Муўса олар менен сөйлесип болғаннан соң, жүзин жаўлық пенен жаўды. 34Муўса сөйлесиў ушын, Жаратқан Ийениң алдына барғанда, сыртқа шыққанша, жүзиндеги жаўлықты алып қоятуғын еди. Қайтып келгеннен кейин, ол өзине айтылған буйрықларды израиллыларға билдиретуғын еди. 35Сонда израиллылар оның жүзинен нур шашып турғанын көретуғын еди. Ал Муўса ишке кирип, Жаратқан Ийе менен ушырасыўға дейин, жүзин жаўлық пенен жаўып қоятуғын еди.

 

35

 

Дем алыс күни ҳаққында

 

1Муўса Израил халқының пүткил жәмийетин шақырып алып, оларға былай деди: «Жаратқан Ийе мына ислерди ислеўиңизди буйырды: 2алты күн жумыс ислең. Бирақ жетинши күн сизлер ушын Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни болады. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өлтириледи. 3Шаббат күни өз шаңарақларыңызда от та жақпаң».

 

Мухаддес шатыр ушын садақалар

 

4Муўса Израил халқының пүткил жәмийетине былай деди: «Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў: 5өзлериңизде барынан Жаратқан Ийеге нәзир бериңлер. Оған шын кеўилден бериўди қәлеўшилер мына нәрселерди берсин: алтын, гүмис, қола, 6жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиби, ешкиниң жүни, 7қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы, 8шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсими ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар, 9бас руўханийдиң эфодына ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.
10Араңыздағы барлық уқыплы адамлар келип, Жаратқан Ийениң буйырғанларының ҳәммесин ислесин. Олар мыналарды: 11Мухаддес шатырды, оның ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, илмеклерин, тахтайларын, қадаларын, бағанларын, ултанларын, 12Келисим сандығы ҳәм оның сырықларын, қақпақты, бөлмени жаўып туратуғын пердени, 13стол ҳәм оның сырықларын, столдың барлық буйымларын ҳәм усынылған нанларды, 14жақты түсириў ушын ҳәстени, оның буйымларын, оның шыраларын ҳәм шыралар ушын зәйтүн майын, 15түтетки түтетилетуғын орын менен оның сырықларын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майын, хош ийисли түтеткини, Мухаддес шатырдың кирер аўзындағы пердени, 16қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның қола торын, сырықларын ҳәм барлық буйымларын, үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын, 17ҳәўлиниң перделерин, бағанларын, бағанның ултанларын, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени, 18Мухаддес шатырдың қазықларын, ҳәўлиниң қазықларын ҳәм арқанларын, 19Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлерди – руўханий Харонның мухаддес кийимлерин ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлерин ислесин».
20Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Муўсаның қасынан кетти. 21Жүрегинде қәлеў ҳәм тилеги бар адамлар Ушырасыў шатырының қурылысы, ондағы хызмет ҳәм мухаддес кийимлер ушын, Жаратқан Ийеге садақалар алып келди. 22Солай етип, жүрегинде қәлеўи бар ҳәр бир еркек ҳәм ҳаял ҳәр түрли алтын буйымларды: билезик, сырға, жүзик ҳәм ҳәйкеллерди әкелип, Жаратқан Ийеге бағышлап, усынды. 23Кимде жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип, ешки жүни, қызылға боялған қошқар териси ҳәм жумсақ тери болса, алып келди. 24Гүмис ҳәм қоланы садақа қылып бере алғанлар да оларды Жаратқан Ийеге арнады. Кимде акация ағашы болса, оны шатырдың мүтәжликлери ушын алып келди. 25Жип ийириўге уқыплы барлық ҳаяллар өз қоллары менен ийирген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жиплерди алып келди. 26Жүн ийирип билетуғын, жүрегинде қәлеўи бар барлық ҳаяллар да ешки жүнин ийирди. 27Басшылар эфодқа ҳәм қалталы өңиршеге тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар, 28шыралар ушын, майлаў ушын ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар менен зәйтүн майын алып келди. 29Ҳаял, еркек, жүрегинде қәлеўи бар барлық израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ислеўди буйырған ислери ушын, Жаратқан Ийеге ықтыярлы садақалар берди.
30Муўса израиллыларға былай деди: «Қараңлар, Жаратқан Ийе Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңлап алды. 31Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берди. 32Солай етип, оған алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем өнер ислеўге, 33ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр қыйлы көркем өнер ислерин ислеўге қәбилет берди. 34Жаратқан Ийе оған ҳәм Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиабқа басқаларға үйретиў уқыбын да берди. 35Бул адамлардың ҳәр қандай исти ислей алыўы ушын, оларға усташылық, безеўшилик, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырдан тоқымашылық ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеў айрықша қәбилетин берди.

 

36

 

1Бесалел, Оҳолиаб ҳәм Жаратқан Ийе Мухаддес шатырды қурыў ушын қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берген барлық адамлар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып ислесин».
2Муўса Бесалелди, Оҳолиабты ҳәм Жаратқан Ийе қәбилет берген, ислеўге қәлеўи бар барлық адамларды жумысқа шақырды. 3Келгенлер Мухаддес шатырды қурыў ушын, израиллылар әкелген барлық садақаларды Муўсадан алды. Израиллылар ҳәр күни азанда ықтыярлы садақаларын Муўсаға әкелиўди даўам етти. 4Сонда Мухаддес шатырды қурыў ислери менен шуғылланып атырған усталар ислерин қалдырып, 5Муўсаның жанына келди де: «Халық Жаратқан Ийе буйырған ис ушын керегинен зыят алып келмекте», – деди.
6Сонда Муўса халыққа жәрияланыўы ушын мынадай буйрық берди: «Енди бирде бир еркек те, ҳаял да Мухаддес шатыр ушын ҳеш нәрсе әкелмесин». Солай етип, халық садақа әкелиўди тоқтатты. 7Себеби сол ўақытқа дейин әкелингенлер исти питкериўге жететуғын, ҳәтте, аўысып та қалатуғын еди.
8Ислеўшилер арасындағы уқыплы адамлар шатырды он пердеден қурды. Оларды ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден ислеп, үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 9Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Перделердиң ҳәммеси бир өлшемде болды. 10Олар перделерди бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тикти. 11Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер тикти. Екинши бес пердениң шетине де солай иследи. 12Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тикти. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан еди. 13Соңынан елиў алтын илмек ислеп, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктирди. Сол тәризде шатыр бир тутас болды.
14Және де, Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде иследи. 15Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Он бир перде де бир өлшемде болды. 16Олар бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктирди. 17Усы бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек тикти. 18Шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктириў ушын, қоладан елиў илмек иследи. 19Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен бир жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш иследи.
20Тағы да, олар акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар иследи. 21Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 22Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып иследи. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай иследи. 23Ал шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай иследи. 24Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырқ гүмис ултан иследи. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан иследи. 25Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай 26ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырқ гүмис ултан иследи. 27Ал шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай 28ҳәм шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай иследи.
29Бул мүйешлердеги тахтайлардың алдынғы тәрепи бөлек қалып, жоқарғы тәрепи жупласып, бир ҳалқа менен бириктирилди. Еки мүйеш те усылай исленди. 30Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан исленди.
31Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада, 32екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада иследи. 33Және де, тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып иследи.
34Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплап, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан иследи.
35Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен бир перде иследи. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 36Перде ушын акация ағашынан төрт баған ислеп, оларды алтын менен қаплады. Олардың айры илдиргишлери де алтын еди. Бағанлар ушын төрт гүмис ултан қуйды. 37Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслы перде тоқыды. 38Пердени тағыў ушын айры илдиргиши бар бес баған ислеп, олардың жоқарысын ҳәм карнизлерин алтын менен қаплады. Ал бағанлар ушын қоладан бес ултан иследи.

 

37

 

Келисим сандығының ислениўи

 

1Бесалел акация ағашынан Келисим сандығын иследи. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ еди. 2Сандықтың иши-сыртын алтын менен қаплады. Ал ернегине алтыннан жийек салды. 3Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды төрт туяғына орнатты: екеўин бир жағына, қалған екеўин екинши жағына орнатты. 4Акация ағашынан сырықлар ислеп, оларды алтын менен қаплады. 5Сандықты көтерип жүриў ушын, бул сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткерди. 6Сандықтың қақпағын сап алтыннан иследи. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 7Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керубты шөккишлеп соқты. 8Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал екиншиси екинши шетинде болып, оларды қақпақ пенен бир тутас қылып иследи. 9Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турған еди.

 

Мухаддес нанлар ушын стол

 

10Кейин акация ағашынан узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болған бир стол иследи. 11Столды сап алтын менен қаплап, ернегине алтын жийек салды. 12Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислеп, оны алтын жийек пенен қаплады. 13Стол ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяғына беккемледи. 14Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар столдың қапталларына жақын еди. 15Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады. 16Стол ушын керекли буйымларды – табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди сап алтыннан иследи.

 

Ҳәстениң ислениўи

 

17Олар сап алтыннан ҳәсте иследи. Оның ултанын, балдағын, шақаларын, шанақларын, гүллерин ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажларын өзи менен бир тутас етип шөккишлеп иследи. 18Ҳәстениң еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турды. 19Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 20Ал ҳәстениң балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 21Ҳәстеден шығып турған алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип туратуғын еди. 22Ҳәстени гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп иследи. 23Ҳәсте ушын жети шыра иследи. Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды сап алтыннан иследи. 24Ҳәсте ҳәм оның барлық буйымлары бир талант[26] сап алтыннан исленди.

 

Түтетки түтетилетуғын орын қурыў

 

25Акация ағашынан төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ ҳәм бийиклиги еки шығанақ болған түтетки түтетилетуғын орын қурды. Орынның шақлары өзи менен бир тутас исленип, өзинен шығып туратуғын еди. 26Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек иследи. 27Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнатты. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизилди. 28Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.
29Тағы да, олар майлаў рәсими ушын мухаддес майды ҳәм таза, хош ийисли түтеткини шеберлик пенен араластырып, таярлады.

 

38

 

Жандырылатуғын қурбанлық ушын орын қурыў

 

1Акация ағашынан жандырылатуғын қурбанлық ушын орын дүзетти. Ол төрт мүйешли болып, оның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ еди. 2Оның төрт мүйешине өзинен шығып турған шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларды қола менен қаплады. 3Қурбанлық орынның барлық буйымларын: күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды қоладан иследи. 4Орынға қоладан тор сыяқлы нағыс иследи. Тор нағыс қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан исленди. 5Қола тордың төрт мүйешине сырықларды өткериў ушын, төрт ҳалқа қуйды. 6Сырықларды акация ағашынан ислеп, қола менен қаплады. 7Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның қапталындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизди. Орынды ағаштан, ишин бос қылып иследи.
8Ушырасыў шатырының алдында хызмет ететуғын ҳаяллар берген айналардан үлкен қола ләген ҳәм оның туяқларын иследи.

 

Мухаддес шатыр ҳәўлиси

 

9Мухаддес шатырдың ҳәўлисин иследи. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, шебер тоқылған ҳасыл зығыр перделер тақты. 10Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма баған орнатты. Бағанның айры илдиргишлери менен карнизлерин гүмистен иследи. 11Ал арқа тәрепи ушын узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма баған, бағанлар ушын қоладан жигирма ултан иследи. Бағанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди. 12Ҳәўлиниң батыс тәрепи ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он баған ҳәм он ултан иследи. Бағанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди. 13Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң кеңлиги елиў шығанақ еди. 14Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш баған ҳәм үш ултан бар еди. 15Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш баған ҳәм үш ултан бар еди. 16Ҳәўлиниң ҳәмме тәрепиндеги барлық перделер ҳасыл зығырдан еди. 17Бағанлардың ултанлары қоладан, ал айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен исленген еди. Бағанлардың жоқарысы да гүмис пенен қапланған еди. Ҳәўлиниң барлық бағанлары гүмис карнизлер менен бириктирилди.
18Ҳәўлиниң кирер аўзындағы перде қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырдан нағысланып тоқылған еди. Оның узынлығы жигирма шығанақ, бийиклиги ҳәўлиниң перделери сыяқлы бес шығанақ еди. 19Бул перде ушын төрт қола ултанға орнатылған баған исленди. Бағанлардың айры илдиргишлери ҳәм карнизлери гүмистен исленип, жоқарысы гүмис пенен қапланды. 20Шатырдың ҳәм шатырды қоршаған ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан исленди.

 

Мухаддес шатырды қурыўда қолланылған нәрселер

 

21Мухаддес шатырдың, яғный буйрықлар жазылған таслар турған шатырдың қурылысы ушын қолланылған нәрселердиң толық есабы төменде берилген. Есапты Муўсаның буйрығы менен, руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында Лебий урыўы алып барды.
22Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған ҳәмме ислерин Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдың улы Бесалел иследи. 23Оның менен бирге Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиаб жумыс иследи. Ол уста, безеўши, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслап тоқыўшы еди.
24Мухаддес шатырдың барлық ислерине қолланылған алтынның, халық бағышлап алып келген алтынның муғдары Мухаддес орын өлшеми менен 29 талант 730 шекел еди.
25Есаптан өткен халықтан жыйналған гүмис Мухаддес орын өлшеми менен 100 талант 1775 шекел еди. 26Бул есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы 603 550 адамның ҳәр бирине бир беқадан[27], яғный Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекелден[28] туўры келетуғын еди. 27Мухаддес шатырдың ҳәм Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердениң ултанларын қуйыў ушын 100 талант[29] гүмис қолланылды. Ҳәр бир ултанға 1 талант, 100 ултанға 100 талант гүмис сарпланды. 28Бағанлардың жоқарысын қаплаўға, айры илдиргишлерин ҳәм карнизлерин соғыўға 1775 шекел гүмис сарпланды.
29Халық берген қола 70 талант 2400 шекел еди. 30Оннан Ушырасыў шатырының кирер аўзындағы бағанлар ушын ултанлар, қурбанлық орын, оның торы менен ҳәмме буйымлары, 31ҳәўлидеги барлық бағанлар ушын ултанлар, ҳәўлиниң дәрўазасының бағанлары ушын ултанлар, шатырдың қазықлары менен ҳәўли әтирапындағы барлық қазықлар исленди.

 

39

 

Руўханийлердиң кийимлерин тигиў

 

1Олар қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиптен Мухаддес орында хызмет еткен ўақытта кийиўи ушын, руўханийлерге әжайып қылып кийимлер тикти. Харонға да мухаддес кийимлер тикти. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
2Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип пенен ҳасыл зығыр жиптен иследи. 3Алтынды жуқалап, жиңишке қылып кесип, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырға араластырып, шеберлик пенен кестелеў ушын, жип ийирди. 4Эфодтың алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баў тикти. 5Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда бир белбеў иследи. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленди. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
6Кейин Израил улларының атларын еки оникс тасына мөр сыяқлы етип, ойып жазды. Жазылған тасларды өрилген алтын қаснақлардың ишине қойып, 7Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, эфодтың ийин баўларына орнатты. Булар да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип исленди.

 

Өңиршениң тигилиўи

 

8Қалталы өңирше де эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап исленди. 9Ол төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс еди. 10Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл таслар қадалды. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет, 11екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат, 12үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист, 13төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болды. Таслар өрилген алтын қаснақларға орнатылған еди. 14Таслар он еки болып, оларда мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылған еди. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы еди.
15Кейин қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар иследи. 16Және де, еки өрилген алтын қаснақ ҳәм еки алтын ҳалқа ислеп, ҳалқаларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақты. 17Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдирди. 18Шынжырлардың екинши ушын еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине, ийин баўларға байлады. 19Еки алтын ҳалқа ислеп, өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақты. 20Және еки алтын ҳалқа ислеп, эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақты. 21Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқаларын қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлады. Солай етип, өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында туратуғын болды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
22Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийимди толық қызғыш көк жиптен тоқыды. 23Онда бас сыятуғын орын болып, сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыды. 24-26Кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленген анарды ҳәм оның араларына сап алтыннан исленген қоңыраўларды айландырып гезекпе-гезек тағып шықты. Харон хызмет еткенде усы кийимди кийетуғын еди. Буларды да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
27Харон ҳәм оның уллары ушын, ҳасыл зығырдан тоқылған узын көйлеклерди, 28ҳәм ҳасыл зығырдан сәллени, кишигирим сәллелерди ҳәм диз кийимлерди иследи. 29Белбеўди де ҳасыл зығыр, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден нағыслап тоқыды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи.
30Сап алтыннан таж сыяқлы мухаддес маңлайша ислеп, үстине мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жазды. 31Бул маңлайша сәллеге қызғыш көк баў менен байланды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.

 

Барлық ислердиң тамамланыўы

 

32Солай етип, Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының барлық ислери тамамланды. Израиллылар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи. 33Соңынан олар Муўсаға шатыр ҳәм оның барлық буйымларын алып келди. Булар мыналардан ибарат еди: шатырдың перделери, илмеклери, тахтайлары, қадалары, бағанлары, ултанлары, 34қызылға боялған қошқар терисинен ҳәм жумсақ териден исленген жапқышлар, ишки бөлмениң пердеси, 35Келисим сандығы, оның сырықлары ҳәм қақпағы, 36стол, оның барлық буйымлары ҳәм усынылған нанлар, 37сап алтыннан исленген ҳәсте, оның үстине бир қатар етип қойылған шыралар, оның барлық буйымлары ҳәм шыраларға қуйылатуғын зәйтүн майы, 38түтетки түтетилетуғын алтын орын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майы, хош ийисли түтетки, шатырдың кирер аўзы ушын перде, 39жандырылатуғын қурбанлық ушын қоладан исленген орын, оның қоладан исленген торы, сырықлары ҳәм барлық буйымлары, үлкен ләген ҳәм оның туяқлары, 40ҳәўлиниң перделери, бағанлары, ултанлары, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеси, арқанлары, қазықлары, шатырда хызмет еткенде қолланылатуғын барлық нәрселер, 41Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлер – руўханий Харонның мухаддес кийимлери ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлери. 42Усылардың ҳәммесин израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи. 43Муўса барлық ислердиң Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып исленгенин көргенде, оларға ақ пәтиясын берди.

 

40

 

Мухаддес шатырды қурыў

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2«Мухаддес шатырды, яғный Ушырасыў шатырын биринши айдың биринши күни қур. 3Келисим сандығын шатырдың ишине киргизип, оны перде менен тасалап қой. 4Столды ишке әкелип, оған тийисли ҳәмме нәрсени оның үстине қой. Ҳәстени де әкелип, шыраларын үстине қой. 5Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Келисим сандығының алдына қойып, шатырдың кирер аўзына перде тақ. 6Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қой. 7Үлкен ләгенди шатыр менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй. 8Шатырдың әтирапын айландырып, ҳәўли исле ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына перде тақ.
9Соңынан майлаўға арналған зәйтүн майын алып, шатырды ҳәм оның ишиндеги барлық буйымларды майлап, мухаддес қыл. 10Қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның барлық буйымларын майлап, орынды мухаддес қыл. Сонда орын жүдә мухаддес болады. 11Үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын майлап, мухаддес қыл.
12Харонды ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўындыр. 13Харонға мухаддес кийимлерди кийгиз ҳәм руўханий болып, хызмет етиўи ушын, оның басына май қуйып, Маған бағышла. 14Оның улларын алып келип, оларға узын көйлек кийгиз. 15Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, оларды да әкеси сыяқлы майла. Бул майлаў олардың әўладлар бойы мәңгиге руўханий болыўын тәмийинлейди».
16Муўса ҳәмме нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 17Солай етип, екинши жылдың биринши айының биринши күни Мухаддес шатыр қурылды. 18Муўса шатырды қурды: ултанларын қойды, тахтайларын орнатты, қадаларын киргизип, бағанларын көтертти. 19Кейин шатырдың үстине ишки ҳәм сыртқы жабыўларын жапты. Муўса булардың ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
20Кейин буйрықлар жазылған еки тасты алып, сандыққа салды. Сандықтың сырықларын кийгизди ҳәм сандықтың қақпағын сандықтың үстине қойды. 21Келисим сандығын шатырға киргизди де, перде тутып, сандықты көзден тасалап қойды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
22Нанлар туратуғын столды Ушырасыў шатырының ишине, яғный шатырдың арқаға қараған тәрепине, ишки пердениң сыртына қойды. 23Жаратқан Ийениң алдына, столдың үстине нанларды дизип қойды. Муўса буларды Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
24Ҳәстени Ушырасыў шатырына, столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қойды. 25Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, ол Жаратқан Ийениң алдына шыраларды қойды.
26Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Ушырасыў шатырына, пердениң алдына қойды. 27Орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетти. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
28Шатырдың кирер аўзына перде тақты. 29Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қойды. Орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
30Үлкен ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойды ҳәм жуўыныў ушын, ишине суў қуйды. 31Муўса, Харон ҳәм Харонның уллары аяқ-қолларын сол жерде жуўатуғын болды. 32Олар Ушырасыў шатырына киретуғын яки қурбанлық орынға жақынласатуғын ўақытта, Жаратқан Ийениң буйырғанындай, сол жерде жуўынатуғын еди.
33Шатырдың ҳәм қурбанлық орынның әтирапындағы ҳәўлини перде менен қоршады ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына да перде тақты.
Солай етип, Муўса жумысты тамамлады.

 

Ушырасыў шатыры үстиндеги булт

 

34-35Соннан кейин, Ушырасыў шатырын булт қаплап, Жаратқан Ийениң салтанаты шатырды толтырды. Соның ушын, Муўса Ушырасыў шатырына кире алмады. 36Пүткил сапарлары даўамында израиллылар булт шатырдың үстинен көтерилгеннен кейин ғана жыйналып, жолын даўам ететуғын еди. 37Бирақ олар булт жоқары көтерилмегенше, жолға шықпайтуғын еди. 38Солай етип, олардың пүткил сапары даўамында, барлық Израил халқының көз алдында Жаратқан Ийениң булты күндиз шатырдың үстинде турды, ал түнде булт ишинде от болып жанып турды.

 

 

 

Лебий

Лебий китабы

 

 

1

 

Жандырылатуғын қурбанлықлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаны шақырып алып, Ушырасыў шатырынан оған былай деди:
2– Сен Израил халқына жәриялап мыналарды айт: Араңыздағы бириңиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бермекши болса, ол ири ямаса майда мал усынсын.
3Егер ири малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз ҳәм еркек мал усынсын. Жаратқан Ийениң бул қурбанлықты қабыл етиўи ушын, қурбанлықты Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 4Сол адам қурбанлық малдың басына қолын қойсын. Сонда қурбанлық адамның гүналарының жуўылыўы ушын қабыл етиледи. 5Кейин ол буғаны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер буғаның қанын алып келип, қанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 6Соңынан қурбанлық берип атырған адам жандырылатуғын қурбанлықтың терисин сыйырып алып, оны жиликлеп бөлсин. 7Ал руўханий Харонның уллары қурбанлық орында от жағып, үстине отын қаласын. 8Кейин малдың жиликлерин, басын ҳәм иш майларын сол оттың үстине жайластырсын. 9Малдың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
10Егер майда малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз болған еркек тоқлы ямаса теке усынсын. 11Оны қурбанлық орынның арқа тәрепинде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 12Адам қурбанлықты жиликлеп, басын ҳәм иш майларын айырып алсын. Руўханий оларды қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине жайластырсын. 13Қурбанлықтың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
14Егер ким де ким жандырылатуғын қурбанлық етип Жаратқан Ийеге қус бермекши болса, онда ол қумыры ямаса жас кептер усынсын. 15Руўханий оны қурбанлық орынға әкелип, басын үзип алсын ҳәм басын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Ал қустың қанын қурбанлық орынның қапталына сығып, ағызсын. 16Руўханий қустың жемсегин ишиндеги нәрселери менен бирге шығарып, қурбанлық орынның шығыс тәрепиндеги күл төгилетуғын жерге тасласын. 17Соң қустың қанатларынан услап, қусты қақ айырсын, бирақ оны екиге бөлип тасламасын. Кейин қусты қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине қойып түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.

 

2

 

Ғәлле садақасы

 

1Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арнап ғәлле садақасын бермекши болса, сапалы бийдай унынан алып келсин. Оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр[1] қоссын ҳәм 2садақаны Харонның уллары болған руўханийлерге апарсын. Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың барлығын алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 3Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
4Егер тандырда жабылған нанды ғәлле садақасы етип бермекши болсаңыз, онда сапалы уннан зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ямаса үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер әкелиўиңиз тийис.
5Егер табада писирилген нанды садақа қылмақшы болсаңыз, онда оған ашытқы салмай, сапалы унға зәйтүн майын қосып ийлеп, писириң. 6Оны усынған ўақтыңызда, бөлеклерге бөлиўиңиз ҳәм үстине зәйтүн майын қуйыўыңыз керек. Бул – ғәлле садақасы.
7Егер садақаң қазанда писирилген болса, онда ол зәйтүн майы қосылған сапалы уннан таярланыўы тийис.
8Усы тақылетте таярланған ғәлле садақасын Жаратқан Ийеге бериў ушын, руўханийге әкелиўиңиз керек. Ал руўханий оны қурбанлық орынға алып барады. 9Кейин руўханий толық садақаның белгиси ретинде ғәлле садақаларынан бир бөлек алып, оны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм Жаратқан Ийеге, яғный Маған хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын. 10Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
11Жаратқан Ийеге, яғный Маған усынатуғын ғәлле садақаңыздың ҳеш бирине ашытқы салмаңлар. Өйткени ашытқыны да, палды да Жаратқан Ийеге сый қылып, түтетип жандырмаўыңыз керек. 12Ашытқы салынған нан менен палды биринши зүрәәтиңиз сыпатында Жаратқан Ийеге усыныўыңызға болады. Бирақ олар Жаратқан Ийеге хош ийисли садақа ретинде қурбанлық орында усынылмаўы керек. 13Ғәлле садақаңыздың ҳәр бирине дуз қосыңлар. Дуз Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин билдиретуғын болғанлықтан, садақаларыңыз дузсыз болмасын.
14Егер Жаратқан Ийеге дәслепки өнимнен ғәлле садақасын бермекши болсаңыз, онда дәслепки шыққан дәнди қуўырып, оны түйип алып келиң. 15Бул ғәлле садақасы болғаны ушын, оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр қосың. 16Руўханий бираз түйилген дән менен зәйтүн майынан алып, оларға хош ийисли шайырдың ҳәммесин қосып, толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге, яғный Маған арналған сый.

 

3

 

Татыўлық қурбанлығы

 

1Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын ири мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге арнап минсиз еркек ямаса урғашы мал усынсын. 2Ол адам қолын қурбанлықтың басына қойып, оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 3Сол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: малдың ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 4еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын. 5Харонның уллары буларды қурбанлық орында жанып турған отынның үстине қойып, жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
6Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын майда мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге минсиз еркек ямаса урғашы жанлық усынсын.
7Егер қой бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усыныўы тийис. 8Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын. Кейин оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары қойдың қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 9Ол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: жанлықтың майларын, яғный қуйымшақтың түбинен кесип алынған пүткил қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 10еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын. 11Руўханий буларды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге сый болған ас садақасы.
12Егер ол ешки бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усынсын. 13Адам қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары ешкиниң қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 14Ол адам ешкиниң мына нәрселерин алып, Жаратқан Ийеге сый қылып усынсын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 15еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын. 16Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болған ас садақасы. Майдың ҳәммеси Оған тийисли. 17Малдың майын жемеңлер, оның гөшин де қаны менен жемеңлер. Бул өзлериңиз жасаған ҳәмме жерде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.

 

4

 

Гүна қурбанлығы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Егер ким де ким Мен буйрықларымда қадаған қылған бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, төменде көрсетилгенлерге әмел қылсын:
3Егер бас руўханий гүна ислеп, халқын айыпкер қылса, ислеген гүнасы ушын Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы етип минсиз бир буға усынсын. 4Ол буғаны Ушырасыў шатырының алдына, Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Соңынан қолын буғаның басына қойсын ҳәм Жаратқан Ийениң алдында оны шалсын. 5Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин. 6Ол бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин. 7Соңынан ол шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы хош ийисли түтетки түтетилетуғын орынның шақларына қанды сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин. 8Кейин гүна ушын берилген буғаның пүткил майын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 9еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын 10татыўлық қурбанлығы сыпатында берилген малдың майын айырғандай, айырып алсын. Бас руўханий оларды жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын орынның үстинде түтетип жандырсын. 11Ал буғаның қалған бөлеклерин: терисин, гөшин, геллесин, туяқларын ҳәм ишек-қарны менен дәрислерин 12орданың сыртындағы күл төгилетуғын таза жерге апарып, оларды отынның үстине қойып, жағып жиберсин.
13Егер пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, олар бәри бир айыплы саналады. 14Ислеген гүнасы белгили болғанда, олар жәмийет атынан гүна қурбанлығы етип бир буға усынып, оны Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 15Жәмийет ақсақаллары Жаратқан Ийениң алдында қолларын буғаның басына қойып, оны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. 16Майланған руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин. 17Руўханий бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин. 18Соңынан руўханий қанды шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орынның шақларына сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин. 19Буғаның пүткил майын алып, оны қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. 20Руўханий өз гүнасы ушын берген буғаға не ислеген болса, бул буғаға да соны ислесин. Усылайынша руўханий жәмийетти гүнадан тазалайды ҳәм олардың гүналары кешириледи. 21Алдынғы буғаны қалай жандырған болса, бул буғаны да орданың сыртына алып шығып, жағып жиберсин. Бул – жәмийеттиң гүнасы ушын қурбанлық болады.
22Егер басшылардың бири Қудайы болған Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады. 23Ислеген гүнасы өзине әшкара етилген ўақытта, ол қурбанлыққа минсиз бир теке алып келсин. 24Кейин ол қолын текениң басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде[2], Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Бул – гүна қурбанлығы. 25Руўханий бармағын гүна қурбанлығының қанына батырып, қанды жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды орынның түбине төксин. 26Кейин текениң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол көсемди гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
27Егер халық арасынан биреў Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады. 28Ислеген гүнасы өзине әшкара болғанда, ол гүнасы ушын қурбанлыққа минсиз бир ешки әкелсин. 29Соң ол қолын гүна ушын берилген қурбанлықтың басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалсын. 30Руўханий қурбанлықтың қанына бармағын батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. 31Қурбанлық берген адам ешкиниң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы айырып алсын. Руўханий майды Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
32Егер биреў гүна қурбанлығы ушын қой бермекши болса, қой минсиз болсын. 33Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде шалсын. 34Кейин руўханий бармағын шалынған қойдың қанына батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Ал аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. 35Татыўлық қурбанлығы ушын берилген қой сыяқлы, адам бул қурбанлықтың да пүткил майын айырып алсын. Руўханий оны қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Усылайынша, руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.

 

5

 

1Егер ким де ким көрген-билгенлери ҳаққында гүўалық бериўге шақырылса, бирақ ол буннан бас тартса, онда ол өз айыбының жазасын тартады.
2Ким де ким билмей, ҳарам саналған бир нәрсеге: жабайы я үй ҳайўанының ямаса жер баўырлаўшы бир ҳайўанның өлигине бир жерин тийгизип алса, ол ҳарамланған болып, айыплы саналады.
3Биреў билмей, адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсеге[3] бир жерин тийгизсе, кейин не ислегенин түсинген ўақытта, ол айыплы саналады.
4Егер ким де ким қандай да бир исти ислеймен деп, ойланбастан ант ишип, оны орынламай қалса, онда ол айыплы саналады.
5Егер ким де ким усы айтылған ислердиң биреўинде айыплы болса, ислеген гүнасын ашық мойынласын. 6Ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын берсин. Бул қурбанлық майда малдан бир қой ямаса бир ешки болсын. Сонда руўханий адамды гүнасынан тазалайды.
7Егер адамның қой әкелиўге жағдайы болмаса, онда ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Олардың бири гүна қурбанлығы ушын, ал екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын бериледи. 8Оларды руўханийге алып келсин. Руўханий дәслеп гүна қурбанлығын берип, қустың мойнын сындырсын, бирақ оның басын жулып тасламасын. 9Кейин қустың қанының биразын қурбанлық орынның қапталына серпип, аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. Бул – гүна қурбанлығы. 10Соннан соң, руўханий екинши қусты жандырылатуғын қурбанлық етип, қағыйда бойынша берсин. Усылайынша руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
11Егер адамның еки қумыры ямаса еки кептер әкелиўге жағдайы келмесе, онда ол ислеген гүнасы ушын эфаның оннан бир мөлшериндеги[4] сапалы бийдай унынан әкелсин. Ол унның үстине зәйтүн майын қуймасын ҳәм хош ийисли шайыр да қоспасын. Себеби бул – гүна қурбанлығы.
12Адам унды руўханийге алып келсин. Руўханий толық садақаның белгиси ретинде уннан бир уўыс алып, оны қурбанлық орында, Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Бул – гүна қурбанлығы.
13Солай етип, руўханий жоқарыда айтылған гүналардың бирин ислеген адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи. Ғәлле садақасы сыяқлы, садақаның жандырылмаған бөлеги руўханийге тийисли болады.

 

Айып қурбанлығы

 

14Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
15– Егер ким де ким Жаратқан Ийеге, яғный Маған арналып, мухаддесленген нәрселерди былғап, билмей гүна ислесе, ол айып қурбанлығы сыпатында Жаратқан Ийеге майда малдан бир минсиз қошқар усынсын. Қошқардың қуны гүмис шекел менен, Мухаддес орын өлшеми менен[5] баҳалансын. 16Адам мухаддес нәрсеге келтирген зыянының қунын төлеп, және сол қунның үстине бестен бирин қосып, руўханийге берсин. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген қошқар менен сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
17Егер ким де ким Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, гүна қылса, ол билмей ислесе де, өз айыбының жазасын тартады. 18Ол руўханийге айып қурбанлығы сыпатында майда малдан бир қошқар усынсын. Қошқар минсиз ҳәм қуны белгиленген болыўы тийис. Руўханий адамды билмей ислеген гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи. 19Бул – айып қурбанлығы, өйткени адам Жаратқан Ийеге қарсы айып ислеген еди.

 

6

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2-3– Егер ким де ким өзине аманат етилген, өзине тапсырылған ямаса урланған бир мал-мүлик туўрысында жақынын алдаса, я оны наҳақлық пенен қолға киргизсе ямаса жойтылған бир нәрсени таўып алып, оны жасырса, усындай ямаса усыған уқсайтуғын гүналардың бирин ислеп, оны ислемедим деп жалған ант ишсе, ол Жаратқан Ийениң алдында айып ис қылған болады. 4-5Адам усылардың бирин ислеп, гүна қылғанда, ол ҳәр қандай наҳақ жол менен қолға киргизген затты ийесине қайтарып берсин. Ол айыбы ашылған күни затлардың үстине бестен бирин қосып ийесине толығы менен қайтарып берсин. 6Соңынан Жаратқан Ийеге айып қурбанлығы етип усыныў ушын, қуны белгиленген ҳәм минсиз болған қошқарды руўханийге әкелсин. 7Сонда руўханий Жаратқан Ийениң алдында оны гүнасынан тазалайды ҳәм оның ислеген айыбы қандай болса да, ол кешириледи.

 

Руўханийлердиң қурбанлық бериў қағыйдалары

 

а) Күнделикли жандырылатуғын қурбанлық

 

8Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
9– Харон ҳәм оның улларына мынадай деп буйыр: Күнделикли жандырылатуғын қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: жандырылатуғын қурбанлық қурбанлық орынның үстинде түн бойы, азанға дейин қалыўы керек. Қурбанлық орынның үстиндеги от сөнбесин. 10Азанда руўханий зығырдан исленген кийими менен диз кийимин кийип алсын. Кейин ол қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықтан қалған күлди жыйнап, қурбанлық орынның жанына қойсын. 11Соңынан руўханий сол кийимлерин шешип, әдеттеги кийимлерин кийсин ҳәм күлди орданың сыртындағы таза жерге апарып тасласын. 12Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын. Руўханий ҳәр күни азанда отқа отын салып, жандырылатуғын қурбанлықтың бөлеклерин оның үстине қойсын. Кейин татыўлық қурбанлықларының майын оның үстинде түтетип жандырсын. 13Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын.

 

б) Ғәлле садақасы

 

14Ғәлле садақасын бериў қағыйдасы мынадай: Харонның уллары ғәлле садақасын қурбанлық орынның алдына әкелип, Жаратқан Ийеге усынсын. 15Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың ҳәммесин алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – толық садақаның белгиси ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 16Садақаның жандырылмаған бөлегин Харон ҳәм оның уллары жесин. Оннан ашытқысыз нан жаўып, мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин. 17Оған ашытқы қосылмасын. Мен буны Өз сыйларымнан руўханийлердиң пайы қылып бердим. Бул – айып қурбанлығы ҳәм гүна қурбанлығы сыяқлы жүдә мухаддес. 18Харон әўладынан болған ҳәр бир ер адам оннан жеўине болады. Бул Жаратқан Ийеге арналған сыйлардан әўладлар даўамында мәңгиге олардың пайы болады. Қурбанлықларға тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады.
19Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди:
20– Харон ҳәм оның урпағынан бири бас руўханийликке майланып, тайынланған күннен баслап, оның беретуғын садақасы мынадай болсын: ол оннан бир эфа сапалы унның ярымын азанда, ал қалған ярымын кеште ғәлле садақасы етип берсин. Ол бул садақаны ҳәр күни берип турыўы тийис. 21Сол унға зәйтүн майы қосып ийленип, табада писирилсин. Бул ғәлле садақасын бөлеклеп сындырып, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып усынсын. 22Буны Харон әўладынан болған майланған руўханий Жаратқан Ийеге усынсын. Бул мәңгиге Жаратқан Ийениң пайы болады. Усы садақа толығы менен түтетип жандырылыўы тийис. 23Бас руўханийдиң берген ҳәр бир ғәлле садақасы толығы менен жандырып жиберилсин, оны жеўге болмайды.

 

в) Гүна қурбанлығы

 

24Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
25– Харон ҳәм оның улларына былай деп айт: Гүна қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: гүна қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде[6], Жаратқан Ийениң алдында шалынсын. Ол – жүдә мухаддес. 26Гүна қурбанлығын усыныўды орынлайтуғын руўханий оның гөшин мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин. 27Қурбанлықтың гөшине тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады. Оның қаны кимниң кийимине шашыраса, кийим мухаддес жерде жуўылсын. 28Қурбанлықтың гөши писирилген ылай ыдыс сындырып тасланыўы керек. Егер гөш қола ыдыста писирилген болса, ыдыс ысқылап тазаланып, суў менен жуўылсын.
29Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам гүна қурбанлығының гөшинен жеўине болады. Бул қурбанлық жүдә мухаддес. 30Бирақ гүна қурбанлығының қаны Ушырасыў шатырының ишине, гүнадан тазалаў ушын Мухаддес бөлмеге алып кирилсе, бундай қурбанлықтың гөшин жеўге болмайды. Ол толығы менен отқа жандырып жиберилиўи тийис.

 

7

 

г) Айып қурбанлығы

 

1Айып қурбанлығы жүдә мухаддес. Бул қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: 2айып қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалынсын ҳәм оның қаны қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберилсин. 3Малдың пүткил майын: қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын, 4еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын ажыратып алсын. 5Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде Жаратқан Ийеге сый қылып түтетип жандырсын. Бул – айып қурбанлығы.
6Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам бул қурбанлықтан жеўине болады. Қурбанлық жүдә мухаддес болғанлықтан, мухаддес жерде желиниўи тийис.
7Айып ҳәм гүна қурбанлықлары ушын бирдей қағыйда қолланылады. Қурбанлықтың гөши гүнадан тазалаў рәсимин өткерген руўханийге тийисли. 8Жандырылатуғын қурбанлықтың териси де қурбанлықты усынған руўханийге тийисли. 9Тандырда жабылған, қазанда ямаса табада писирилген ҳәр қандай ғәлле садақасы да оны усынған руўханийге тийисли болады. 10Зәйтүн майы қосылған ямаса қурғақ ғәлле садақасы да Харонның улларына тийисли. Олар оны өз ара тең бөлисип алсын.

 

д) Татыўлық қурбанлығы

 

11Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: 12егер ким де ким Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын қурбанлық бермекши болса, қурбанлыққа қоса зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер ҳәм сапалы уннан зәйтүн майына қарылған ашытқысыз шөреклерди берсин. 13Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын, татыўлық қурбанлығын ашытқы салынған шөреклер менен бирликте берсин. 14Усы ғәлле садақасының ҳәр биринен бир дана наннан ажыратып, Жаратқан Ийеге усынсын. Бул нанлар татыўлық қурбанлығының қанын қурбанлық орынға серпкен руўханийге тийисли болады. 15Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын берилген татыўлық қурбанлығының гөши қурбанлық берилген күни желинсин, ол азанға дейин қалдырылмасын.
16Егер ким де ким ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса ықтыярлы қурбанлық бермекши болса, қурбанлықтың гөши берилген күни желинсин. Егер аўысып қалса, ертеңине желинсе де болады. 17Бирақ үшинши күни қурбанлықтың қалған гөши отқа жағып жиберилиўи тийис. 18Егер татыўлық қурбанлығының гөши үшинши күни желинсе, сол адамның усынған қурбанлығы қабыл етилмейди ҳәм есапқа алынбайды. Өйткени гөш мәкириў саналады ҳәм оны жеген ҳәр бир адам айыплы саналып, жазаға тартылады.
19Ҳәр қандай ҳарам нәрсеге тийип кеткен қурбанлық гөшин жеўге болмайды. Ондай гөшти жағып жибериў керек. Ал ҳарамланбаған гөштен пәк деп саналған ҳәр бир адамның жеўине болады. 20Бирақ егер бир адам ҳарам бола тура, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығын жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын. 21Және де, ким де ким ҳарам саналған бир нәрсеге, адамнан шыққан ҳарамлайтуғын нәрсеге ямаса ҳарам ҳайўанға бир жерин тийгизип, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығының гөшинен жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын.

 

Май ҳәм қан жемеңлер

 

22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23– Израил халқына былай деп айт: Мал, қой ҳәм ешкиниң ишки майын ҳасла жемеңлер. 24Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен таланып тасланған ҳайўанның майын ҳәр қандай мүтәжликлериңизге ислетсеңиз болады, бирақ оны ҳеш қашан жемеңлер. 25Ким де ким Жаратқан Ийеге сый қылып берилген маллардың бириниң майын жесе, ол өз халқы арасынан жоқ қылынсын. 26Қай жерде жасасаңыз да, ҳеш қандай қус ямаса ҳайўанның гөшин қаны менен жемеңлер. 27Қан жеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылынсын.

 

Руўханийлердиң пайы

 

28Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
29– Израил халқына былай деп айт: Ким де ким татыўлық қурбанлығын бермекши болса, ол қурбанлықтың бир бөлегин Жаратқан Ийеге сый етип берсин. 30Сол адам қурбанлықтан сый етип берип атырған майды ҳәм төсти өз қолы менен әкелсин ҳәм төсти Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
31Руўханий майды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын, бирақ төс Харон ҳәм оның улларына тийисли. 32Татыўлық қурбанлығының оң санын сый ретинде руўханийге бериң. 33Харонның улларынан қайсы бири усы татыўлық қурбанлығының қанын ҳәм майын усынса, оң сан соның пайы болады. 34Себеби Мен Израил халқының татыўлық қурбанлықларының усы төсин ҳәм сан жилигин алып, буларды Израил халқынан мәңгиге берилген пай сыпатында руўханий Харонға ҳәм оның улларына бердим.
35Харон ҳәм оның уллары руўханий болып тайынланған күннен баслап, олардың пайына Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан усылар тийди. 36Харон ҳәм оның уллары майланып, хызметке тайынланған күнинен баслап, Жаратқан Ийе Израил халқына усы жиликлерди оларға бериўин буйырды. Бул әўладлар бойы олардың мәңги пайы болады.
37Мине, жандырылатуғын қурбанлық, ғәлле садақасы, айып қурбанлығы, гүна қурбанлығы, хызметке тайынлаў рәсими ҳәм татыўлық қурбанлығы туўралы қағыйдалар усылардан ибарат. 38Израил халқы Синай шөлинде болған ўақытта, Жаратқан Ийе усы қурбанлықларды усынып баслаўды Синай таўында Муўсаға буйырған еди.

 

8

 

Харон ҳәм оның улларының руўханий болып тайынланыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2«Харон ҳәм оның улларын, олар менен бирге руўханийлик кийимлерин, майлаў ушын арналған зәйтүн майын, гүна қурбанлығы ушын берилетуғын буғаны, еки қошқарды ҳәм бир себет ашытқысыз нанларды алып кел. 3Кейин пүткил жәмийетти Ушырасыў шатырының алдына жыйна».
4Муўса Жаратқан Ийениң буйрығын орынлады. Ҳәмме Ушырасыў шатырының алдына жыйналғанда, 5Муўса жәмийетке: «Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң буйрығын әмелге асыраман», – деди де, 6Харон ҳәм оның улларын алдыға шығарып, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткизди. 7Соннан кейин, Харонға узын көйлек кийгизип, белине белбеў байлады ҳәм оның сыртынан баҳалы руўханийлик кийим кийгизди. Оның үстине эфодты тағып, белбеўи менен буўды. 8Көксине қалталы өңиршени тақты. Өңиршениң ишине Урим ҳәм Туммимди салды. 9Харонның басына сәлле орап, сәллениң алды бетине мухаддес алтын тажды қойды. Муўса ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
10Соңынан Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын алып, Мухаддес шатырды ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсени майлап, мухаддес қылды. 11Қурбанлық орынның үстине майдан жети рет серпти. Және де, орынның барлық буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына май серпип, оларды мухаддес қылды. 12Харонды мухаддес қылып бағышлаў ушын, басына зәйтүн майын қуйып, оны майлаў рәсиминен өткизди. 13Соннан соң, Харонның улларын алдыға шығарды. Оларға узын көйлеклер кийдирип, беллерине белбеў байлады ҳәм басларына кишигирим сәлле орады. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
14Кейин Муўса гүна қурбанлығы етип берилетуғын буғаны әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын буғаның басына қойды. 15Муўса буғаны шалды. Қурбанлық орынды тазалаў ушын, қанды бармағы менен орынның шақларына сүртип шықты. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. Усылайынша ол қурбанлық орынды гүналардан тазалаў рәсими өткерилетуғын ҳалға таярлап, оны мухаддес қылды. 16Муўса малдың иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм бөтеке майларын алып, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. 17Ал буғаның қалған бөлеклерин – терисин, гөшин ҳәм дәрислерин орданың сыртында жағып жиберди. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
18Кейин Муўса жандырылатуғын қурбанлыққа бир қошқарды әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды. 19Муўса қошқарды шалып, оның қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 20Қошқарды жиликлерге бөлип, жиликлерин, геллесин ҳәм майын түтетип жандырды. 21Ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. Бул жандырылатуғын қурбанлық – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
22Буннан соң, Муўса Харон ҳәм оның улларының бағышланыўына арналған қурбанлық ушын берилетуғын қошқарды алып келди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды. 23Муўса қошқарды шалып, оның қанын алды. Қанды Харонның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүртти. 24Соңынан Харонның улларын алдыға шығарды. Олардың да оң қулағының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына қан сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 25Муўса малдың майын, яғный қуйрық майын, иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын алды. 26Кейин Жаратқан Ийениң алдындағы ашытқысыз нан салынған себеттен бир шөрек, зәйтүн майы қосылған шөрек ҳәм бир пәтир алып, малдың майы менен оң санының үстине қойды.
27Муўса булардың ҳәммесин Харон ҳәм оның улларының қолларына берди. Олар буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. 28Кейин Муўса буларды олардың қолларынан алып, қурбанлық орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырды. Булар – бағышланыў қурбанлығы, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 29Соң Муўса төсти алып, оны Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. Бағышланыў қурбанлығы ушын берилген қошқардан Муўсаның пайына усы төс тийди. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
30Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын ҳәм қурбанлық орындағы қанды алып, Харон менен оның улларының үстине ҳәм олардың кийимлерине серпти. Усылайынша, Муўса Харонды, оның улларын ҳәм олардың кийимлерин мухаддес қылды.
31Соң Муўса Харон ҳәм оның улларына: «Гөшти Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында писириңлер. Оны бағышланыў садақалары салынған себеттеги нан менен бирге сол жерде жеңлер. Маған: „Буны Харон ҳәм оның уллары жесин“, – деп буйырылған. 32Гөш пенен наннан аўысып қалғанын жағып жибериңлер. 33Бағышланыў күнлериңиз тамам болғанша, жети күн даўамында Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер. Себеби бағышланыў күнлериңиз жети күн даўам етиўи тийис. 34Бүгинги исленген рәсимди Жаратқан Ийе сизлердиң гүналарыңыздың кеширилиўи ушын буйырған еди. 35Жети күн даўамында күни-түни Ушырасыў шатырының алдында тайын болып, Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўыңыз тийис. Болмаса, өлип қаласызлар. Маған усылай буйрық берилген», – деди.
36Солай етип, Харон ҳәм оның уллары Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген барлық буйрықларын орынлады.

 

9

 

Руўханийлердиң өз хызметин баслаўы

 

1Сегизинши күни Муўса Харонды, оның улларын ҳәм Израилдың ақсақалларын шақырды. 2Сонда Муўса Харонға былай деди: «Гүна қурбанлығы ушын минсиз бир тана, жандырылатуғын қурбанлық ушын минсиз бир қошқар алып, оларды Жаратқан Ийеге усын. 3Соңынан Израил халқына айт, олар да гүна қурбанлығы ушын бир теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз тана менен бир жасар минсиз тоқлы әкелсин. 4Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлығы ушын бир буға ҳәм бир қошқар алып, буған қоса зәйтүн майы менен араластырылған ғәлле садақасын усынсын. Өйткени бүгин оларға Жаратқан Ийе көринеди».
5Олар Муўсаның буйырғанларының ҳәммесин Ушырасыў шатырының алдына алып келди. Ҳәмме жақын келип, Жаратқан Ийениң алдында турды. 6Сонда Муўса оларға: «Жаратқан Ийениң салтанаты сизлерге көриниўи ушын, Ол сизлерге мыналарды ислеўди буйырмақта», – деп, 7Харонға былай деди: «Қурбанлық орынға жақынлап, гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлығыңды бер. Усылай етип, өзиңди де, халқыңды да гүналардан тазала. Соннан кейин, Жаратқан Ийе буйырғанындай, халқыңның қурбанлығын берип, оларды гүналардан тазала».
8Солай етип, Харон қурбанлық орынға жақынласып, өзи ушын гүна қурбанлығына алып келген тананы шалды. 9Уллары оған тананың қанын алып келди. Харон бармағын қанға батырып, қурбанлық орынның шақларына сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. 10Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, ол гүна қурбанлығының майын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын қурбанлық орында түтетип жандырды. 11Ал тананың гөши менен терисин орданың сыртында жағып жиберди.
12Кейин Харон жандырылатуғын қурбанлықты шалды. Оның уллары қурбанлықтың қанын оған берди ҳәм ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 13Соңынан уллары оған жандырылатуғын қурбанлықтың барлық жиликлерин ҳәм басын әкелип берди. Харон ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. 14Ал қурбанлықтың ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып түтетип жандырды.
15Буннан соң, Харон халықтың қурбанлығын алып келди. Халықтың гүналары ушын берилген текени шалды ҳәм биринши қурбанлық сыяқлы буны да гүна қурбанлығы сыпатында усынды.
16Харон жандырылатуғын қурбанлықты да қағыйдаға сай тәризде берди. 17Соңынан ол ғәлле садақасын берди. Оннан бир уўыс алып, оны азанда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлыққа қоса қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
18Харон халықтың татыўлық қурбанлығы ушын алып келген буғасы менен қошқарын да шалды. Уллары қурбанлықлардың қанын оған әкелип берди. Ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 19Харонның уллары буға менен қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишек-қарынларындағы майларын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын 20төслердиң үстине қойды. Харон усы майлы бөлеклерди алып, қурбанлық орында түтетип жандырды. 21Соннан кейин, Муўсаның буйырғанындай, ол төслерди ҳәм оң санды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.
22Харон гүна, жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан соң, қолларын жайып, халыққа пәтия берди. Соннан соң, ол төменге түсти.
23Муўса менен Харон Ушырасыў шатырына кирди ҳәм олар сыртқа шыққаннан соң, халыққа пәтиясын берди. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты пүткил халыққа көринди 24ҳәм Жаратқан Ийениң оты пайда болып, қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм майларды жандырып жиберди. Буны көрген пүткил халық қуўаныштан қышқырысып, ет-бетинен жерге жығылды.

 

10

 

Надаб ҳәм Абиҳудың өлими

 

1Харонның уллары Надаб ҳәм Абиҳу түтетки түтетилетуғын ыдысларын алып, ишлерине шоқ, шоқтың үстине түтетки салды. Олар Жаратқан Ийе усыныўды буйырмаған отты Оның алдына алып келди. 2Жаратқан Ийениң оты пайда болды. От оларды күйдирип жиберди ҳәм олар Жаратқан Ийениң алдында өлип қалды. 3Сонда Муўса Харонға былай деди: «Жаратқан Ийениң:

 

„Маған хызмет еткенлерге мухаддеслигимди көрсетемен,
Пүткил халық алдында салтанатымды ашаман“,

 

– деп айтқаны усы еди». Харон үндемеди.
4Муўса Харонның әкесиниң иниси Уззиелдиң уллары Мишаел ҳәм Элсафанды шақырып алып, оларға: «Берман келиңлер, туўысқанларыңыздың өли денесин Мухаддес шатырдың алдынан орданың сыртына алып шығыңлар», – деди. 5Олар келди де, Муўсаның буйырғанындай, туўысқанларының денелерин кийимлеринен услап, орданың сыртына алып шықты.
6Буннан соң, Муўса Харонға ҳәм оның уллары Элазар менен Итамарға былай деди: «Аза тутып, шашларыңызды жаймаңлар ҳәм кийимлериңизди жыртпаңлар. Олай ислесеңиз, өлесизлер ҳәм Жаратқан Ийе пүткил халыққа қәҳәрленеди. Бирақ туўысқанларыңыз болған пүткил Израил халқы Жаратқан Ийе тәрепинен от пенен жоқ қылынғанлар ушын аза тутыўы мүмкин. 7Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Өйткени сизлер Жаратқан Ийениң майлайтуғын майы менен Оған бағышландыңыз».
Харон ҳәм оның уллары Муўсаның айтқанына бойсынды.

 

Руўханийлер ушын қағыйдалар

 

8Жаратқан Ийе Харонға былай деди: 9«Өзиң де, улларың да Ушырасыў шатырына шарап ямаса басқа өткир ишимликлер ишип кирмеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Бул әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын. 10Сизлер мухаддес нәрсени әпиўайы нәрседен, ҳарам нәрсени ҳадал нәрседен айыра алыўыңыз шәрт. 11Мениң Муўса арқалы Израил халқына берген барлық қағыйдаларымды оларға үйретиўиңиз тийис».
12Муўса Харонға ҳәм оның қалған уллары Элазар менен Итамарға былай деди: «Жаратқан Ийеге берилген ғәлле садақасының жандырылмаған бөлегин алып, оннан ашытқысыз нан жаўып қурбанлық орынның қасында жеңлер. Себеби бул – жүдә мухаддес. 13Оны мухаддес жерде жеңлер. Өйткени Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан сениң ҳәм улларыңның пайы усы болады. Маған усындай буйрық берилди. 14Ал жоқары көтерип усынылған төс пенен бағышлап усынылған санды улларың ҳәм қызларың менен бирге таза жерде жеңлер. Өйткени бул Израил халқының берген татыўлық қурбанлықларынан сениң ҳәм балаларыңның пайы етип, усылар берилди. 15Израил халқы сый қылып берген май менен бирге қурбанлықтың сан ҳәм төсин әкелсин. Олар төс ҳәм санды Жаратқан Ийеге бағышлап, жоқары көтерип усынғаннан кейин, булар саған ҳәм сениң улларыңа бериледи. Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, булар мәңгиге сениң ҳәм балаларыңның пайы болады».
16Муўса гүна қурбанлығы ушын берилетуғын текени сорастырғанда, оның жандырып жиберилгенин билди. Сонда ол Харонның қалған уллары Элазар ҳәм Итамарға қатты ашыўланып былай деди: 17«Не ушын гүна қурбанлығының гөшин мухаддес жерде жемедиңлер? Ол – жүдә мухаддес қурбанлық-ғо! Жаратқан Ийениң алдында жәмийеттиң гүнасын жуўып, оларды пәклеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе оны сизлерге берген еди. 18Текениң қаны Мухаддес шатырдың ишине алып кирилмеген. Сизлерге буйырғанымдай, текени мухаддес жерде жеўиңиз керек еди».
19Харон Муўсаға былай деди: «Олар бүгин Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлықты берди. Ал мениң басыма усындай ис түсти! Бүгин мен гүна қурбанлығының гөшинен жегенимде, бул Жаратқан Ийеге унар ма еди?» 20Бул сөзди еситип, Муўса буған ыразы болды.

 

11

 

Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанлар

 

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айтыңлар: «Жер бетинде жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўге болады: 3туяқлары терең етип екиге айырылған, аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин. 4Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы екиге айырылмаған. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 5Даман[7] гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 6Қоян гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 7Шошқа екиге айырылған, аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 8Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер. Олар сизлер ушын ҳарам саналады.
9Суўда жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўиңизге болады: теңизде, суўларда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады. 10Теңизде ҳәм суўларда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын мәкириў саналады. 11Булар сизлер ушын жеркенишли саналады. Олардың гөшин жемеңлер ҳәм өлигинен жеркениңлер. 12Суўда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли саналады.
13Мына қусларды жеркенишли деп билип, олардың гөшин жемеңлер: бүркит, күшеген, қара қус, 14шайқус, лашын ҳәм оның түрлери, 15ғарғаның барлық түрлери, 16үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери, 17үй байыўлысы, қарабай, қулақлы жапалақ, 18ақ қуў, бирқазан, сипа, 19ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат.
20Қанатлы шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли. 21Ал олардың ишиндеги тек ғана узын аяқлары менен секирип жүретуғынларын жеўиңизге болады. 22Олар: шегирткениң барлық түрлери, шекшек шегиртке, қара шегиртке ҳәм усылардың барлық түрлери. 23Басқа шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли.
24Төмендеги ҳайўанлар сизлерди ҳарамлайды, олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 25Ким де ким олардың өлигин тасыса, ол кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 26Туяғы екиге айырылған, бирақ туяғындағы жарығы терең болмаған ҳәм гүйис қайтармайтуғын ҳәр бир ҳайўан сизлер ушын ҳарам болады. Оларға бир жерин тийгизген адам да ҳарам саналады. 27Төрт аяқлы ҳайўанлардан пәнжелерин жерге басып жүретуғын ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам болады. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 28Олардың өлигин тасыған адам кийимлерин жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өйткени бул ҳайўанлар сизлер ушын ҳарам.
29Жер баўырлап жүриўши мына ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам саналады: гөртышқан, тышқан, кесирткениң түрлери, 30геккон, хамелеон, дийўал кесирткеси, шөл кесирткеси, тиншемет. 31Барлық жер баўырлаўшылар ишинде сизлер ушын ҳарам деп саналатуғынлары усылар. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 32Олардың биреўиниң өлиги бир нәрсениң үстине түсип кетсе, оны ҳарам қылады. Сол ҳәр бир исте қолланылатуғын ағаш ыдыс, кийим, тери, я кенеп болсын, оларды суўға салып қойыў керек. Олар кешке дейин ҳарам саналып, соңынан ҳадал саналады. 33Ал егер ҳайўанның өлиги ылай ыдыстың ишине түсип кетсе, онда ыдыстың ишиндеги ҳәр қандай нәрсе ҳарам саналады ҳәм ыдыс сындырып тасланыўы керек. 34Бундай ыдыстағы суў ишип-жеўге болатуғын азық-аўқатқа тамып кетсе, онда булар ҳарам саналады. 35Усындай ҳайўанлардың бириниң өлиги нениң үстине түссе де, соны ҳарам қылады. Ол тандырға ямаса ошаққа түскен болса, онда олар бузып тасланыўы тийис. Себеби олар ҳарам болады ҳәм сизлер ушын да ҳарам саналады. 36Бирақ өлик түскен булақ ямаса суў сақлағыш ғана ҳадал саналады. Ал ҳайўанлардың өлигине бир жерин тийгизген адам ҳарам саналады. 37Егер усы ҳайўанлардың бириниң өлиги егилетуғын туқымға түссе, туқым ҳадал болып қала береди. 38Бирақ егер ол суўға салынған туқымның үстине түссе, туқым сизлер ушын ҳарам саналады.
39Егер гөшин жеўге болатуғын ҳайўан ҳарам өлсе, оның өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 40Оның гөшинен жеген адам кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өликти тасыған адам да кийимлерин жуўыўы тийис. Бундай адам кешке дейин ҳарам саналады.
41Жер баўырлап жүриўши барлық ҳайўанларды мәкириў санаңлар. Оларды жемеңлер. 42Қарны менен сүйретилип жүриўши болсын, төрт аяқлы жер баўырлаўшы ҳәм көп аяқлы жаныўарлар болсын, олардың ҳеш бирин жемеңлер. Өйткени олар жеркенишли. 43Олардың ҳеш бири менен өзиңизди мәкириў етпеңлер, олар арқалы ҳарам болып қалмаңлар. 44Себеби Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Мухаддес болыў ушын өзлериңизди Маған бағышлаңлар, себеби Мен – мухаддеспен. Жер баўырлаўшылардың ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаңлар. 45Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарған Жаратқан Ийе – Мен боламан. Мухаддес болыңлар, өйткени Мен – мухаддеспен. 46Ҳайўанлар, қуслар, суўда жасаўшы ҳәр түрли ҳайўанлар ҳәм жер баўырлаўшылар туўралы қағыйдалар усы болады. 47Ҳарамды ҳадалдан, жеўге болатуғын ҳайўанларды жеўге болмайтуғын ҳайўанлардан айырып билиңлер!»

 

12

 

Босанған ҳаялдың тазаланыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: «Егер бир ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўса, ол етеги келген күнлери сыяқлы, жети күн ҳарам саналады. 3Оның баласы сегиз күнлигинде сүннет етилсин. 4Ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети сегизинши күннен баслап, және отыз үш күн даўам етсин. Бул шилле ўақты тамам болмағанша, ҳаял мухаддес нәрсеге қол тийгизбеўи ҳәм Мухаддес шатырға бармаўы тийис. 5Егер ҳаял қыз туўса, ол еки ҳәпте даўамында етеги келген күнлери сыяқлы ҳарам саналады. Соннан соң, ҳаялдың қаннан тазаланыў мүддети алпыс алты күн болсын.
6Ул ямаса қыз туўған ҳаялдың тазаланыў мүддети питкеннен соң, ол жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жас кептер ямаса бир қумырыны Ушырасыў шатырының алдына әкелип, руўханийге берсин. 7Руўханий оларды Жаратқан Ийениң алдында қурбанлыққа берип, ҳаял ушын тазалаў рәсимин өткерсин. Сонда ҳаял қан кетиўден тазаланған болып саналады. Ул ямаса қыз туўған ҳаялға байланыслы қағыйда усы болады.
8Егер ҳаялдың қошқар бериўге шамасы болмаса, онда ол биреўин жандырылатуғын қурбанлық, ал екиншисин гүна қурбанлығы ушын еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Сонда руўханий ҳаялды тазалайды ҳәм ҳаял таза саналады».

 

13

 

Тери кеселликлери туўралы нызам

 

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2– Денесинде қәўипли тери кеселлигине айланыўы мүмкин болған дақ, бөртпе ямаса ақтаңлағы бар адам руўханий Харонға ямаса оның руўханий улларының бирине апарылсын. 3Руўханий теридеги жараны тексерип шықсын. Егер жараның үстиндеги қыл ағарып, жара ойылған болса, онда бул – қәўипли тери кеселлигине тән жара. Бундай жағдайда терисиндеги жараның усындай екенлиги анықланған адамды руўханий ҳарам деп жәрияласын. 4Ал егер адамның терисинде ақтаңлақ болғаны менен, ол ойылмаған ҳәм үстиндеги қыллар ағармаған болса, онда руўханий кесел адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 5Жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер жара сол ҳалында қалып, териге жайылмаған болса, онда кесел адамды және жети күн бөлеклеп қойсын. 6Руўханий жетинши күни кесел адамды тағы тексерип көрсин. Егер жара териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол кеселди ҳадал деп жәрияласын. Бул – әпиўайы бөртпе болғаны. Кесел адам кийимлерин жуўсын ҳәм сонда ол ҳадал деп саналады. 7Руўханийге тексерилип, ҳадал деп саналғаннан кейин, сол адамның терисиндеги бөртпе жайыла басласа, ол қайтадан руўханийге көринсин. 8Руўханий адамды тағы тексерип шықсын. Егер адамның терисиндеги бөртпе жайылған болса, онда руўханий оны ҳарам деп жәрияласын. Демек, сол адамның қәўипли тери кеселлигине шалынғаны.
9Усы кеселдиң белгиси бар адам руўханийге апарылып, 10руўханий оны тексерип шыққанда, териде ақ дақ табылса, дақтың үстиндеги қыллар да ақ болып, ол аўзы ашық жара болса, 11бул жазылмайтуғын тери кеселлиги болғаны. Руўханий адамды ҳарам деп жәрияласын, оны бөлеклеп қойыўдың пайдасы жоқ. Себеби ол адам әлле қашан ҳарам болып есапланады.
12Егер кеселлик жайылып, жара сол адамды басынан аяғына дейин қаплаған болса, 13онда руўханий оны тексерип шықсын. Егер барлық денеси таза териге қапланған болса, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын. 14Бирақ егер жараның аўзы ашық ҳәм қызарған болса, онда адам ҳарам саналады. 15Руўханий қызарған, аўзы ашық жара көрсе, адамды ҳарам деп жәрияласын. Усындай жара ҳарам болып, бул қәўипли тери кеселлигиниң белгиси. 16-17Егер жараның аўзы питип, тек ғана ақ дақ қалған болса, онда руўханий тексерип шығып, ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
18Егер биреўдиң терисине шыйқан шығып, ол жазылып кеткен болса, 19бирақ шыйқанның орнында ақ ямаса ақшыл қызыл реңдеги ақтаңлақ пайда болса, ол руўханийге көриниўи тийис. 20Руўханий оны тексерип шықсын. Егер дақ терең ойылып, үстиндеги түклер ағарған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Бул – шыйқанның орнына шыққан қәўипли тери кеселлиги болғаны. 21Бирақ егер руўханий тексергенде, дақтың үстиндеги түктиң ағармағанын көрсе, жара терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 22Егер усы ўақыт даўамында жара жайылып баслаған болса, руўханий ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул – қәўипли тери кеселлиги болғаны. 23Ал егер ақтаңлақ сол ҳалында қалып, жайылмаған болса, бул тек ғана шыйқаннан қалған тыртық болғаны. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
24Егер биреў күйип қалып, күйген териде қызғыш ямаса ақ дақ пайда болса, 25онда руўханий жарақатты тексерип шықсын. Ақтаңлақтың үстиндеги түклер ағарып, дақ терең ойылған болса, демек, бул – күйген териниң орнында пайда болған қәўипли тери кеселлиги. Руўханий бундай адамды ҳарам деп жәрияласын. 26Бирақ егер руўханий ақтаңлақтағы түктиң ағармағанын көрсе, дақ терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда руўханий ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 27Жетинши күни руўханий оны және тексерип көрсин. Егер дақ териге жайылған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени ол қәўипли тери кеселлигине шалынған. 28Егер теридеги ақтаңлақ сол ҳалында қалып, териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда бул – күйиктен пайда болған тыртық. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын.
29Бир ер адамның ямаса ҳаялдың басында ямаса ийегинде жара болса, 30руўханий жараны тексерип шықсын. Жара териде терең орналасқан, үстиндеги түклер жиңишке ҳәм сары болса, онда руўханий аўырыў адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул қотыр жара, бас ҳәм ийекте пайда болған қәўипли тери кеселлиги. 31Деген менен, руўханий бундай жараны тексергенде, жараның терең ойылмағанын, бирақ жараның үстинде қара түк жоқ екенин көрсе, онда ол аўырыў адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 32Ал жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған, үстинде сары түк жоқ болып, жара терең ойылмаған болса, 33онда адамның қотыр болған жеринен басқа ҳәмме жериндеги түклер қырып таслансын. Руўханий аўырыў адамды және жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 34Жетинши күни руўханий қотыр жараны тағы тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған ҳәм терең ойылмаған болса, онда руўханий сол адамды ҳадал деп жәрияласын. Аўырыў адам кийимлерин жуўсын, сонда ол ҳадал деп саналады. 35Бирақ аўырыў адам ҳадал деп жәрияланғаннан соң, қотыр жара оның терисине жайылып басласа, 36руўханий оны қайтадан тексерип шықсын. Егер қотыр жайылған болса, онда сарғайған түкти излемесе де болады. Ол адам ҳарам болып саналады. 37Ал егер қотыр жара сол ҳалында қалып, үстине қара түк шыққан болса, онда қотыр жазылғаны. Адам ҳадал болады, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын.
38Бир ер адамның ямаса ҳаялдың терисинде ақтаңлақлар пайда болса, 39онда руўханий оны тексерип шықсын. Теридеги ақтаңлақлар алдынғысынан гөре билинбей баратырған ҳәм ақшыл болса, бул – бөртпе болғаны. Адам ҳадал саналсын.
40-41Егер адамның төбе шашы ямаса шашының алды бети төгилген болса, онда бул – кәл болғаны. Адам ҳадал саналады. 42Бирақ кәл болған адамның басында қызғыш ақ жаралар пайда болса, онда ол адамның қәўипли тери кеселлигине шалынғаны. 43Руўханий оны тексерип көрсин. Басының төбесиндеги ямаса алды бетиндеги дақлар қәўипли тери кеселлигине тән жаралар сыяқлы ақшыл қызыл болса, 44онда адам усындай тери кеселлигине шалынған болып, ол ҳарам саналады. Басындағы жара себепли руўханий оны ҳарам деп жәрияласын.
45Қәўипли тери кеселлигине шалынған адамның кийимлери жыртылып, шашлары жайылған болсын. Адам жүзиниң төменин жаўып: «Ҳарамман! Ҳарамман!» – деп бақырсын. 46Ол адам кеселлиги даўамында ҳарам саналып, халықтан узақта, орданың сыртында жасасын.

 

Баз басыў ҳаққында

 

47-48Егер жүн ямаса зығыр кийимди, ҳәр қандай жүн ямаса зығыр жиптен тоқылған гезлеме, тери ямаса тери буйымды баз басып кетсе 49ҳәм булардағы баз басқан дақ жасыл ямаса қызыл түске енсе, онда олар руўханийге көрсетилиўи тийис. 50Руўханий оларды тексерип көрип, зыянланған нәрсени жети күн бөлек сақласын. 51Жетинши күни оны және тексерсин. Егер кийимде, гезлемеде ямаса қандай да бир мақсет пенен қолланылған тери буйымда баз басқан жер жайылса, бул зыянлы болғаны. Зыянланған зат ҳарам саналады. 52Үсти баз басқан ҳәр бир зат руўханий тәрепинен жағып жиберилсин. Өйткени бул зыянлы нәрсе болғанлықтан, жандырып жиберилиўи керек.
53Егер руўханий кийимдеги, гезлемедеги ямаса қандай да бир тери буйымдағы баз басқан жердиң жайылмағанын көрсе, 54баз басқан затты жуўыўды буйырсын. Руўханий оны және жети күн бөлек сақласын. 55Соннан кейин, руўханий оны және тексерсин. Егер баз жайылмағаны менен реңи бурынғыдай жасыл ямаса қызыл болса, ол ҳарам саналады. Бул заттың иши ямаса сырты баз басып кетсе, ол жандырып жиберилиўи тийис.
56Бирақ сол заттың баз басқан жери алдынғысынан гөре билинбей баслаған болса, руўханий кийимдеги, теридеги ямаса гезлемедеги баз басқан жерди кесип тасласын. 57Егер сол затларда және баз басқан жер көринсе, ол жайылып баслағаны. Онда бундай затты жағып жибериўиңиз тийис. 58Жуўылған кийимнен, гезлемеден ямаса тери буйымнан баз басқан жер жоқ болып кетсе, онда ол қайтадан жуўылсын. Соннан соң, ол ҳадал саналады.
59Баз басқан жүн ямаса зығыр кийим, гезлеме ямаса тери буйым ҳарам ямаса ҳадал деп жәрияланыўы ушын қолланылатуғын қағыйдалар усылардан ибарат.

 

14

 

Қәўипли тери кеселлигинен тазаланыў ҳаққында

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Қәўипли тери кеселлиги менен аўырған адамның ҳадал қылынатуғын күни мына пәклениў қағыйдасы қолланылыўы тийис: аўырыў адам руўханийге апарылсын. 3Руўханий оны тексериў ушын орданың сыртына шықсын. Егер аўырыў адам тәўир болған болса, 4руўханий оны пәклеў ушын еки ҳадал тири қус, кедр[8] ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин[9] әкелиўди буйырсын. 5Руўханийдиң буйрығы менен қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде шалсын. 6Кейин руўханий тири қусты, кедр ағашын, қырмызы жипти ҳәм майоран шөбин сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын 7ҳәм тери кеселлигинен пәкленетуғын адамның үстине жети мәрте серпсин. Соннан кейин, руўханий оны ҳадал деп жәриялап, тири қусты ашық далаға жиберсин. 8Пәкленетуғын адам кийимлерин жуўып, барлық шашларын қырқып тасласын ҳәм суўға жуўынсын, сонда ол ҳадал саналады. Кейин ол ордаға кириўине болады, бирақ жети күн шатырының сыртында жасасын. 9Жетинши күни ол шашын, сақалын, қасларын ҳәм денесиндеги барлық жүнлерин қырып тасласын. Кийимлерин жуўып, өзи де суўға жуўынып болғаннан соң, ҳадал саналады.
10Сегизинши күни ол минсиз еки еркек тоқлы, бир жасар минсиз қой, ғәлле садақасы сыпатында зәйтүн майы менен араластырылған оннан үш эфа[10] сапалы ун ҳәм бир лог[11] зәйтүн майын алып келсин. 11Пәклеў хызметин орынлап атырған руўханий булардың барлығын ҳәм пәкленип атырған адамды Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 12Кейин руўханий тоқлылардың биреўин алып, оны бир лог зәйтүн майы менен бирге айып қурбанлығы етип усынсын. Буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 13Тоқлыны гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын мухаддес жерде[12] шалсын. Өйткени гүна қурбанлығы сыяқлы айып қурбанлығы да руўханийге тийисли. Бул қурбанлық жүдә мухаддес болып есапланады. 14Руўханий пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қанынан сүртсин. 15Соннан кейин, ол бир лог зәйтүн майынан азғантай алып, өзиниң шеп алақанына қуйсын. 16Оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин. 17Пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығынан сүртилген қанның үстине қолындағы майдан сүртсин. 18Соның менен бирге, руўханий алақанында аўысып қалған майды пәкленетуғын адамның басына сүртип, Жаратқан Ийениң алдында оны пәклесин.
19Соннан соң, руўханий гүна қурбанлығын берип, пәкленетуғын адамды ҳарамлығынан пәклесин. Буннан кейин жандырылатуғын қурбанлықты сойып, 20оны ғәлле садақасы менен бирге қурбанлық орында жағып жиберсин. Усылай етип, руўханий оны пәклейди ҳәм сол адам ҳадал болып есапланады.
21Егер де ол адам жарлы болып, буларды алыўға шамасы келмесе, пәклениўи ушын жоқары көтерип усынатуғын айып қурбанлығы ушын бир еркек тоқлы, ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы қосылған оннан бир эфа[13] сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин. 22Ол биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип бериў ушын шамасы келгенинше, еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. 23Ол булардың ҳәммесин пәклениў ушын сегизинши күни Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келип, руўханийге берсин. 24Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген тоқлыны ҳәм бир лог зәйтүн майын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 25Соңынан айып қурбанлығы ушын берилетуғын тоқлыны сойып, оның қанынан алып, пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына сүртсин. 26Соннан соң, руўханий өзиниң шеп алақанына азғантай зәйтүн майын қуйып, 27оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин. 28Ол қолындағы майдан пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қаны сүртилген жерге сүртсин. 29Соның менен бирге, руўханий Жаратқан Ийениң алдында пәкленетуғын адамды пәклеў ушын, қолында қалған майды оның басына сүртсин. 30-31Соннан кейин, сол адамның шамасы жеткенине қарап, алған қумырылардан ямаса кептерлерден биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип, ғәлле садақасы менен бирге усынсын. Руўханий усылай етип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин. 32Қәўипли тери кеселлиги менен аўырып, тәўир болғаннан кейин пәклениўи ушын жағдайы төмен адамлар ушын қағыйдалар усылардан ибарат.

 

Көгериўден тазаланыў

 

33Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
34– Сизлерге мүлик қылып беретуғын Кенаан жерине киргениңизден кейин, елиңиздеги бир үйге көгерип, баз басыў бәлесин жиберсем, 35үйдиң ийеси руўханийге барып: «Үйимде көгериўге уқсаған бир нәрсе көрдим», – деп хабар берсин. 36Руўханий көгериўди көриўге бармасынан алдын, үйдеги ҳәр бир нәрсе ҳарам деп саналмаўы ушын, оларды сыртқа шығарып қойыўды буйырсын. Соннан кейин, ол үйди көриўге барсын. 37Ол көгерген дийўалларды көзден өткерсин. Егер көгериўдеги жасыл ямаса қызыл түсли дақлар дийўалға сиңип баратырған болса, 38онда руўханий үйден шығып, үйди жети күн даўамында жаўып қойсын. 39Ол жетинши күни қайтып барып, үйди және көзден өткерсин. Егер де көгериў дийўалларға жайылған болса, 40көгерген тасларды алып таслап, қаланың сыртына, ҳарам саналатуғын бир жерге апарып таслаўды буйырсын. 41Үйдиң ишиндеги барлық сыбаўды түсиртип, буларды да қаланың сыртындағы сол жерге таслатсын. 42Алынған таслардың орнына басқа таслар қаланып, үй жаңадан сыбалсын.
43Соннан кейин де үйде көгериў және пайда болса, 44руўханий барып, үйди көзден өткерсин. Көгериў жайылса, ол зыянлы болып, үй ҳарам саналады. 45Бундай үй бузып таслансын. Оның таслары, ағашлары, барлық сыбаўлары қаланың сыртындағы ҳарам жерге апарып таслансын. 46Үй жабылған күнлери, оған кирген ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады. 47Сол үйде жатқан ямаса аўқат жеген адам кийимлерин жуўсын.
48Ал егер де үй сыбалғаннан соң, руўханий үйге кирип, көзден өткергенде, сол көгериў жайылмаған болса, онда руўханий үйди таза деп жәрияласын. Өйткени көгериў жоқ болды. 49Руўханий үйди пәклеў ушын еки қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин алсын. 50Қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде сойсын. 51Кедр ағашын, майоран шөбин, қырмызы жипти ҳәм тири қусты алып, сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын да, оны жети мәрте үйге серпсин. 52Усылай етип, руўханий үйди пәклегеннен соң, 53тири қусты қаланың сыртына, ашық далаға ушырып жиберсин. Солай етип, үй пәкленип, таза болады.
54-55Ҳәр түрли тери кеселлиги, қотыр жара, дақ, бөртпе ямаса ақтаңлақлар, және де, кийим ҳәм үйлерде пайда болатуғын баз басыў менен көгериўге байланыслы қағыйдалар усылардан ибарат. 56Булардың қашаннан берли ҳарам, қашаннан берли ҳадал болғаны усы нызам бойынша билинеди.

 

15

 

Адамды ҳарам қылатуғын нәрселер туўрысында

 

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айтыңлар: Еркектиң жынысый ағзасынан ириң ажыралып шықса, ол ҳарам саналады. 3Адамнан ажыралып шығатуғын ириң ҳаққында нызам мынадай: ириң ақса да, қойыўласып иркилип қалса да, адам ҳарам саналады. 4Бундай адамның жатқан төсеги ҳәм отырған ҳәр бир нәрсеси ҳарам саналады. 5Ким де ким оның төсегине бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 6Сол адамның отырып кеткен жерине отырған адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 7Ким де ким ириң ағып жүрген адамға бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын ҳәм өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 8Егер де ириң ағып жүрген адамның түпириги пәк адамға шашырап кетсе, түпирик шашыраған адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 9Ириңи бар адам минген ҳәр бир аттың ери ҳарам саналады. 10Усы адам отырған ҳәр бир нәрсеге бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. Бул затларды көтерип жүрген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 11Ириңи бар адам қолларын жуўмай, биреўге қолын тийгизсе, сол адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 12Ириңи бар адам услаған ҳәр бир ылай ыдыс сындырып таслансын, ал ағаш ыдыс болса, суў менен жуўылсын.
13Егер адамның ириңи тоқтап, тәўир болса, жети күн өтиўи тийис. Соннан кейин, ол кийимлерин жуўып, ағын суўда жуўынсын, сонда ол таза болып саналады. 14Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер алып, Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына әкелсин ҳәм буларды руўханийге берсин. 15Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Усылай етип, руўханий ириңи бар болған адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
16Егер де бир еркек адамның жынысый туқымлығы ақса, пүткил денесин суўға жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 17Үстине жынысый туқымлық тамған ҳәр бир кийим ямаса тери затлар суў менен жуўылсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады. 18Еркек бир ҳаял менен жатып, еркектен жынысый туқымлық ақса, екеўи де жуўынсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады.
19Егер ҳаялдың әдеттегидей етек кири келип жүрсе, ол жети күн даўамында ҳарам саналады. Оған бир жерин тийгизген адам да кешке дейин ҳарам саналады. 20Етек кири келип жүрген ўақтында, ҳаялдың төсеги де, ол үстинде отырған ҳәр бир нәрсе де ҳарам саналады. 21-22Ким де ким сол ҳаялдың төсегине ямаса ол отырған затқа бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де суўға жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 23Ҳаялдың төсегиниң ямаса ол отырған заттың үстинде турған бир нәрсеге жантасқан ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады. 24Егер еркек етек кири келип жүрген ҳаял менен жатса, еркек те ҳарам саналады. Ол еркек жети күн ҳарам болып, оның жатқан ҳәр бир төсеги де ҳарам саналады.
25Егер ҳаялдың етек киринен тысқары қан келсе ҳәм бул узақ ўақыт даўам етсе, ямаса етек кири әдеттен тыс узайып кетсе, онда ол усы ўақыт даўамында да етек кири ўақтындағыдай ҳарам саналады. 26Усы ўақыт даўамында ҳаялдың жатқан төсеги ямаса отырған ҳәр бир нәрсе етеги келип жүрген ўақтындағы сыяқлы ҳарам саналады. 27Ким де ким сол нәрселерге жантасса, ҳарам болып есапланады. Ол кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады.
28Ҳаялдың қаны тоқтағаннан соң жети күн өтиўи тийис, соннан кейин ол таза болып есапланады. 29Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептерди Ушырасыў шатырының алдына алып келсин ҳәм оларды руўханийге берсин. 30Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық қылып усынсын. Усылай етип, руўханий қан кетиўден ҳарамланған ҳаялды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин.
31Израил халқын ҳарамлықтан усылай сақлаң. Солай етип, араңызда жайласқан Мениң Мухаддес шатырымды ҳарам қылып, өлип қалмаңлар.
32-33Жынысый ағзасынан ириң ямаса туқымлығы аққан адам, етек кири келип жүрген ҳаял ҳәм усындай жағдайдағы ҳаял менен жатқан еркекке байланыслы қағыйдалар усы болады.

 

16

 

Гүнадан пәклениў күни

 

1Жаратқан Ийениң алдына жақынлағаны ушын өлген Харонның еки улының өлиминен соң, Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесип, 2оған былай деди:
– Әжағаң Харонға айт, ол Ең мухаддес бөлмеге, пердениң артына, Келисим сандығының үстиндеги гүнадан пәклейтуғын қақпақтың алдына тек белгиленген ўақытта кирсин. Басқа ўақытта кирсе, ол өлип қалады. Себеби Мен булт ишинде, қақпақтың үстинде пайда боламан. 3Харон Ең мухаддес бөлмеге киретуғын ўақытта гүна қурбанлығы ушын бир буға, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар усынсын. 4Ол зығырдан исленген мухаддес узын көйлек, зығыр диз кийим кийсин, зығыр белбеў байласын ҳәм басына зығыр сәлле орасын. Булар мухаддес кийимлер, соның ушын оларды кийместен алдын жуўынып алсын. 5Израил жәмийети де гүна қурбанлығы ушын Харонға еки теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар әкелсин.
6Харон өзин ҳәм шаңарағын гүналардан пәклеў ушын, гүна қурбанлығы етип бир буға усынсын. 7Соннан кейин, ол еки текени Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 8Сол жерде еки теке ушын шек тасланып, қайсысының Жаратқан Ийе ушын, қайсысының Азазел[14] ушын дүзге айдап жиберилетуғынын анықласын. 9Харон шек бойынша Жаратқан Ийеге тийисли текени алып, гүна қурбанлығы етип усынсын. 10Шек бойынша Азазелге жиберилетуғын текени тирилей Жаратқан Ийениң алдына әкелип, халықтың гүналары кеширилиўи ушын дүзге айдап жиберсин.
11Харон өзи ҳәм шаңарағы ушын берилетуғын буғаны гүна қурбанлығы етип усынғанда, 12ол қурбанлық орыннан шоқларды алып, түтетки түтетилетуғын ыдысқа толтырып салсын. Кейин сол ыдысты ҳәм еки қосуўыс майдалап унталған хош ийисли түтеткини пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин. 13Ол жерде, Жаратқан Ийениң алдында түтеткини шоқлардың үстине қойсын. Оның түтини Келисим сандығының үстиндеги қақпақты көзге көринбейтуғын етип қаплайды. Сонда Харон өлмей тири қалады. 14Соннан кейин, ол буғаның қанынан алып, бармағы менен шығыс тәрептен қақпақтың үстине бир мәрте, кейин қақпақтың алдына жети мәрте серпсин.
15Усыдан кейин ол халық ушын гүна қурбанлығы етип текени сойсын. Оның қанын пердениң ишки жағына, Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин. Буғаның қанын серпкендей етип, текениң қанын да сол Келисим сандығының қақпағының үстине ҳәм оның алдына серпсин. 16Усылай етип, Ең мухаддес бөлмени Израил халқының напәкликлеринен, жынаятларынан ҳәм барлық гүналарынан тазаласын. Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлме ушын да анық усылай исленсин. Өйткени шатыр напәк адамлардың арасында жайласқан. 17Харон өзиниң, шаңарағының ҳәм пүткил Израил жәмийетиниң атынан пәклеў рәсимин өткериў ушын Ең мухаддес бөлмеге киргенде, сыртқа шығаман дегенше, Ушырасыў шатырында ҳеш ким болмаўы тийис. 18Соңынан Харон Жаратқан Ийениң алдындағы қурбанлық орынға шығып, қурбанлық орынды пәклеў ушын, буға менен текениң қанын қурбанлық орынның шақларына сүртип шықсын. 19Қанды бармағы менен қурбанлық орынға жети мәрте серпсин. Усылай етип, ол қурбанлық орынды Израил халқының напәклигинен тазалап, мухаддес қылады.
20Харон Ең мухаддес бөлмени, оның алдындағы Мухаддес бөлмени ҳәм қурбанлық орынды пәклегеннен соң, тири текени алып келсин. 21Ол еки қолын текениң басына қойып, Израил халқының барлық айыпларын, жынаятларын ҳәм гүналарын даўыслап тән алып, буларды текениң басына жүклесин. Соннан кейин, теке усы ис ушын арнаўлы адамға тапсырылсын ҳәм ол текени қула дүзге айдап жиберсин. 22Солай етип, теке Израил халқының барлық гүналарын қула дүзге алып кетеди.
23Соннан соң, Харон Ушырасыў шатырына кирсин. Ол Ең мухаддес бөлмеге кирер алдында кийип алған зығыр кийимлерин шешип, Мухаддес бөлмеде қалдырсын. 24Ол мухаддес жерде жуўынып, күнделикли руўханийлик кийимлерин кийсин. Соннан соң, өзи ҳәм халық ушын берилетуғын жандырылатуғын қурбанлықларды усынсын. Усылай етип, ол өзин де, халықты да гүнадан пәклесин. 25Гүна қурбанлығының майын қурбанлық орында түтетип жандырсын.
26Ал гүна жүкленген текени Азазелге жиберип қайтқан адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Соннан кейин, ол ордаға кире алады. 27Гүна қурбанлығы етип берилген ҳәм пәклеў рәсимин өткериў ушын қанлары Ең мухаддес бөлмеге алып кирилген буға менен теке орданың сыртына шығарып таслансын. Олардың терилери, гөшлери ҳәм дәрислери жағып жиберилсин. 28Буларды жаққан адам кийимлерин жуўып, өзи де жуўынғаннан соң, ордаға кире алады.
29Сизлер ушын мынаў мәңгиге қағыйда болсын: жетинши айдың оныншы күни ораза тутың. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди адам болсын, ҳеш бириңиз әдеттеги жумысыңызды ислемең. 30Өйткени сол күни руўханий Харон сизлерди гүналарыңыздан пәклейди. Сонда сизлер Жаратқан Ийениң алдында барлық гүналарыңыздан тазаланасызлар. 31Сол күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болады, сол күни ораза тутыңлар. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын. 32Әкесиниң орнына бас руўханийликке тайынланып, майланған руўханий мухаддес зығыр кийимлерин кийип, пәклеў рәсимин өткерсин. 33Ол Ең мухаддес бөлмени, Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды тазалап, руўханийлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң гүналарынан пәклейди.
34Израил халқының көп гүналары себепли жылына бир мәрте пәклеў рәсими өткерилсин. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын.
Харон ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.

 

17

 

Қанның әҳмийети

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў: 3-4Егер Израил халқынан биреў бир сыйыр, бир қой ямаса ешки соймақшы болса, оны қурбанлық сыпатында Жаратқан Ийеге усыныў ушын, Ушырасыў шатырының алдына алып келиўи тийис. Егер малды ямаса жанлықты Мухаддес шатырдың алдына алып келмей, басқа жерде сойса, ол қан төккен болып, айыплы саналсын. Қан төккен сол адам халықтың арасынан жоқ қылынады. 5Солай етип, израиллылар ашық далаларда сойған қурбанлықларын ендигиден былай Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Олар қурбанлықларын Ушырасыў шатырының алдына, руўханийге алып келсин ҳәм татыўлық қурбанлығы етип, Жаратқан Ийеге усынсын. 6Руўханий қурбанлықтың қанын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы Жаратқан Ийениң қурбанлық орнына серпип жиберсин, майларын болса, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жиберсин. 7Буннан былай, Израил халқының қурбанлықлары теке көринисиндеги жинлерге берилмесин ҳәм солай ислеп, олар Жаратқан Ийеге опасызлық қылмасын. Бул қағыйдаға әўладлар даўамында әмел қылынсын».
8Оларға және былай деп айт: «Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық берсе, 9бирақ оны Жаратқан Ийеге усыныў ушын Ушырасыў шатырының алдына алып келмесе, ол халықтың арасынан жоқ қылынады.
10Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи гөшти қаны менен жесе, Мен оған қарсы шығып, халқының арасынан жоқ қыламан. 11Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Қанды сизлерге қурбанлық орынның үстинде өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бердим. Өзинде өмир болған бул қан сизлерди гүнадан пәклейди. 12Соның ушын, Израил халқына: „Сизлер ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардың ҳеш бири гөшти қаны менен жемесин“, – деп айттым.
13Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгинди адамлардан биреўи жеўге болатуғын бир ҳайўан ямаса қус аўласа, оның қанын топыраққа ағызып көмип тасласын. 14Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Сол себепли Мен Израил халқына: „Ҳеш бир жаныўардың гөшин қаны менен жемең“, – дедим. Оны ишкен адам халықтың арасынан жоқ қылынады.
15Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўан баўызлап өлтирген ҳайўанның гөшин жеген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. Соннан кейин барып, ол ҳадал саналады. 16Егер де ол кийимлерин жуўмаса, өзи де жуўынбаса, айыплы саналып, жазаға тартылады».

 

18

 

Қадаған етилген жынысый қатнаслар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан. 3Өзлериңиз бурын арасында жасаған Мысыр халқының ҳәм Мениң сизлерди апаратырған Кенаан жериниң үрп-әдетлерине әмел қылып, олар сыяқлы жасамаңлар. 4Мениң нызамларымды орынлап, қағыйдаларым бойынша жасаңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 5Қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылың. Өйткени адам оларды орынлаўы арқалы өмир сүреди. Мен – Жаратқан Ийемен.
6Ҳеш ким жынысый қатнас жасаў ушын өз ағайинине жақынламасын. Мен – Жаратқан Ийемен. 7Анаң менен жынысый қатнас қылып, әкеңди шерменде қылма. Ол анаң болғаны ушын, оның етегин ашпа. 8Әкеңниң намысына тиймеўиң ушын, оның ҳеш бир ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. 9Сениң менен бир үйде туўылсын, басқа жерде туўылсын, анаңнан ямаса әкеңнен туўылған өгей қарындасларыңның ҳеш бири менен жынысый қатнас қылма. 10Қызыңнан ямаса улыңнан туўылған ақлық қызың менен жынысый қатнас қылма. Өйткени олар сениң туўған қаналасларың болады. 11Әкеңниң басқа ҳаялынан туўылған қыз бенен жынысый қатнас қылма. Себеби ол әкеңнен туўылған, сениң қарындасың болады. 12Әкеңниң әжапасы ямаса қарындасы менен жынысый қатнас қылма. Өйткени ол әкеңниң жақын қаналасы болады. 13Анаңның әжапасы ямаса сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Себеби ол анаңның жақын қаналасы болады. 14Әкеңниң ағасының яки инисиниң ҳаялы менен жатып, оларды шерменде қылма. Себеби ол сениң жеңгең болады. 15Келиниң менен жынысый қатнас қылма. Ол балаңның ҳаялы. Оның менен жатпа. 16Ағаңның яки иниңниң ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. Болмаса олардың намысына тийесең. 17Бир ҳаялдың өзи менен жынысый қатнаста болып, оның қызы менен де жынысый қатнас қылма. Ҳаялдың қызынан ямаса улынан туўылған ақлық қызы менен жынысый қатнас қылма. Себеби олар ҳаялдың жақын қанласлары. Бундай қылмыс ислеўиң жаўызлық болады. 18Ҳаялың тири ўақтында, оның әжапасын ямаса сиңлисин ҳаяллыққа алма ҳәм оның менен жынысый қатнас қылма.
19Етеги келип жүргени ушын ҳарам саналған ҳаял менен жынысый қатнас қылма. 20Басқа биреўдиң ҳаялы менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. 21Балаларыңның ҳеш бирин Молох қудайына арнап, қурбанлыққа берме ҳәм усылай ислеп, Қудайыңның атына тил тийгизбе. Мен – Жаратқан Ийемен. 22Ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатпа. Бул жеркенишли ис. 23Ҳеш қандай ҳайўан менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. Ҳаяллар да жынысый қатнас қылыў ушын ҳеш қандай ҳайўанға жақынламасын. Бул – бузықлық болады.
24Усы ис-ҳәрекетлердиң ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаң. Мен сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атырған халық усындай ислер менен өзлерин ҳарамлаған еди. 25Олар себепли ел де ҳарамланған. Олардың гүнасы себепли сол жерди жазаладым. Елдиң өзи турғынларынан кеўли айнып, оларды қусып таслады. 26Сизлер Мениң қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып жасаңлар. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳеш бир адам бундай жеркенишли исти ислемесин. 27Сизлерден алдын бул елде жасаған адамлар усы барлық жеркенишли ислерди ислеп, елди ҳарамлады. 28Егер сизлер де елди ҳарамласаңыз, сизлерден алдынғы халыққа ислегениндей, ел сизлерди де қусып шығарып жибереди.
29Ким де ким усы жеркенишли ислердиң биреўин ислесе, халықтың арасынан жоқ қылынады. 30Мениң буйрықларымды орынлаңлар, сизлерден алдын елде жасаған адамлардың жеркенишли үрп-әдетлерине әмел қылып, өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз, Жаратқан Ийемен.

 

19

 

Әдиллик ҳәм мухаддеслик нызамлары

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил жәмийетине былай деп айт: Мухаддес болың, өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен.
3Ҳәр бириңиз өз ата-анаңызды ҳүрметлең. Маған тийисли болған Шаббат күнине[15] әмел қылың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
4Меннен жүз бурып, жалған қудайларға табынбаң ҳәм өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
5Татыўлық қурбанлығын әкелгениңизде, оны Мен қабыл ететуғындай етип усының. 6Қурбанлықтың гөши сойылған күни ямаса ертеңги күни желиниўи тийис, ал үшинши күнге қалған гөш жандырып жиберилсин. 7Егер қурбанлықтың гөши үшинши күни желинсе, ол мәкириў саналып, қурбанлық қабыл етилмейди. 8Оны жеген ҳәр бир адам айыбының жазасын алады, себеби Жаратқан Ийениң алдында мухаддес болғанды аяқ асты қылған болады. Ондай адам халық арасынан жоқ қылынады.
9Атызыңыздағы егинлерди жыйнағаныңызда, оның шетлерин ормай қалдырып кетиң, жерге түскен масақларды да жыйнап алмаң. 10Жүзим бағыңыздың зүрәәтин нәрсе қалдырмай жыйнап алмаң. Жерге түскен жүзимлерди де терип алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
11Урлық қылмаң, ҳийлекерлик қылмаң ҳәм бир-бириңизди алдамаң. 12Мениң атым менен өтирик ант ишип, Қудайыңыздың атына тил тийгизбең. Мен – Жаратқан Ийемен.
13Басқа бир адамның мал-мүлкин наҳақлық ҳәм зорлық жолы менен қолға киргизбең. Жалланба жумысшының ис ҳақысын таңға дейин услап турмаң. 14Гереңге ғарғыс сөз айтпаң, соқырдың алдына сүрнигетуғын ҳеш нәрсе қоймаң. Қудайыңнан қорқ. Мен – Жаратқан Ийемен.
15Ҳүким ўақтында наҳақлық қылып, жарлыларды жақлап, еки жүзлилик қылып, байлардың да кеўлине қарап ҳәрекет қылмаң. Ҳәр бир адамды әдиллик пенен ҳүким етиң. 16Халқыңыздың арасында мыш-мыш гәп тарқатыўшы болмаң. Олардың өмирине қәўип туўдырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.
17Жүрегиңизде туўысқаныңызға қарсы жек көриўшилик болмасын. Туўысқаныңыздың айыбын жүзине айтың, сонда оның гүнасына шерик болмайсыз. 18Өш алыўшы болмаң, өз халқыңыздан болған биреўге қарсы кек сақламаң. Керисинше, өзиңизди сүйгениңиз сыяқлы, жаныңыздағы адамды да сүйиң. Мен – Жаратқан Ийемен.
19Нызам-қағыйдаларыма әмел қылыңлар. Ҳайўанның еки түрин бир-бири менен шағылыстырмаң. Атызыңызға еки түрли туқым екпең. Үстиңизге еки түрли жиптен тоқылған кийим киймең.
20Егер де бир адам басқа бир еркекке атастырылып қойылған шоры қыз бенен жатса, ол қыздың қуны төленбеген ямаса еле азат етилмеген болса, онда екеўи де жазалансын, бирақ өлтирилмесин. Өйткени қыз еле азат етилмеген. 21Сол адам Жаратқан Ийеге, Ушырасыў шатырының алдына айып қурбанлығы ушын бир қошқар алып келсин. 22Руўханий бул қошқарды айып қурбанлығы ушын берип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында гүнасынан тазаласын. Сонда ол адамның гүнасы кешириледи.
23Кенаан елине киргеннен соң, ҳәр түрли мийўе ағашын тиккениңизде, олардың мийўесин үш жыл даўамында ҳарам санап, оннан жемеңлер. 24Ал төртинши жылы сол ағашлардың барлық мийўесин шүкирлик садақасы етип, Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. 25Бесинши жылы олардың мийўесин жеўиңизге болады. Усылай қылсаңыз, мийўе ағашларыңыз мол мийўесин береди. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
26Қаны ағызылмаған гөштен жемең. Пал ашыўшылық ҳәм болжаўшылық пенен шуғылланбаң. 27Шекеңиздиң шашларын кестермең, сақалларыңыздың ушларын қырықпаң. 28Марҳумлар ушын аза тутқаныңызда, денеңизди тилип жарақатламаң, териңизди тестирип, ҳеш нәрсе жаздырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.
29Қызыңызды бузықлық қылыўға ийтермелеп, оны бийабырай қылмаң. Болмаса, бузықшылық тарап, ел жаўызлыққа толып кетеди. 30Маған тийисли болған Шаббат күнине әмел қылыңлар. Мениң Мухаддес мәканымды ҳүрмет қылыңлар. Мен – Жаратқан Ийемен.
31Әрўақ шақырыўшы ҳәм сыйқыршыларға барып, оларға хабарласпаң. Олар себепли өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
32Жасы үлкенлер алдында орныңнан турып, жасы уллы адамларға ҳүрмет көрсетиң. Қудайыңыздан қорқың. Мен – Жаратқан Ийемен.
33Елиңизде сизлер менен бирге жасап атырған келгиндилерге жаўызлық қылмаң. 34Оларға өз жерлесиңиздей қатнаста болың ҳәм оны өзиңизди сүйгендей етип сүйиң. Өйткени сизлер де Мысырда келгинди болдыңыз. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
35Бир нәрсениң узынлығын, аўырлығын ҳәм сыйымлылығын өлшегениңизде наҳақлық қылмаң. 36Тәрезиңиз, аўырлық тасларыңыз, эфа ҳәм ҳин өлшем ыдысларыңыз дурыс болсын. Мен сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 37Барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен.

 

20

 

Гүнаның төлеми

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Израиллылардан ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардан биреўи баласын Молох қудайына қурбанлық қылса, ол сөзсиз өлтирилсин. Халық оны тас боран қылсын. 3Ким де ким өз баласын Молохқа қурбанлық қылып, Мениң Мухаддес мәканымды ҳарамласа ҳәм мухаддес атыма тил тийгизсе, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан. 4Егер бир адам баласын Молохқа қурбанлық қылса, буны елдеги халық көрмегенге салып, оны өлтирмесе, 5Өзим сол адамға ҳәм оның хожалығына қарсы шығаман. Маған опасызлық қылған адамның өзин ҳәм оның изинен жүрип, Молохқа табынғанлардың ҳәммесин өз халқының арасынан жоқ қыламан.
6Ким де ким сыйқыршыларға, әрўақ шақыратуғынларға хабарласып, Маған опасызлық қылса, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан. 7Өзлериңизди Маған бағышлаңлар ҳәм мухаддес болыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 8Мениң қағыйдаларыма әмел қылып, орынлап жүриңлер. Себеби сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
9Анасын ямаса әкесин ғарғаған ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. Анасын ямаса әкесин ғарғағаны ушын, ол адамның қаны өз мойнында қалады.
10Бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен бузықшылық қылса, онда ол адам да, ҳаял да сөзсиз өлтирилсин. 11Әкесиниң ҳаялы менен жатқан адам әкесин шерменде қылған болады. Екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Олардың төгилген қаны өз мойнында қалады. 12Егер бир адам өз келини менен жатса, екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Себеби олар бузықлық қылған болады ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады. 13Егер бир еркек адам ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатса, екеўи де жеркенишли ис қылған болады. Олар сөзсиз өлтирилсин ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады. 14Егер бир адам қызына да, оның анасына да үйленсе, ол жаўызлық қылған болады. Сизлердиң араңызда усындай жаўызлық ҳәрекетлер болмаўы ушын, үшеўи де отқа жандырылсын. 15Егер бир еркек ҳайўан менен жынысый қатнас ислесе, адам да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. 16Егер бир ҳаял жынысый қатнаста болыў ушын, бир ҳайўанға жақынласса, ҳаял да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады.
17Бир адам әкеси ямаса анасынан туўылған қарындасына үйленип, жынысый қатнас қылса, шерменделик болады. Олардың екеўи де халықтың көз алдында ашық түрде жоқ қылынсын. Ол адам өгей қарындасының намысына тийгени ушын, өз айыбының жазасын тартады. 18Етеги келип жүрген ҳаял менен жатып, жынысый қатнаста болған адам оның етек кирин ашқан болады, ҳаял да буған шериклес есапланады. Екеўи де халықтың арасынан жоқ қылынсын.
19Әкеңниң әжапа-қарындасы ямаса анаңның әжапа-сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Өйткени бул жақын қанласыңның намысы. Екеўиңиз де өз айыбыңыздың жазасын тартасызлар.
20Әкесиниң аға-инисиниң ҳаялы менен жатқан адам олардың намысына тийген болады. Екеўи де гүналарының жазасын тартады ҳәм перзент көрмей, өлип кетеди. 21Туўысқанының ҳаялына үйленген адам жеркенишли ис қылған болады. Ол туўысқанының намысына тийгени ушын, олар перзент көрмей өтеди.
22Мениң барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Сонда Мен сизлердиң жасаўыңыз ушын алып баратырған жер сизлерден кеўли айнып, қусып шығарып тасламайды. 23Сизлердиң алдыңыздан қуўып шығаратуғын миллетлердиң үрп-әдетлери бойынша жасамаңлар. Себеби олар усы жаман әдетлердиң ҳәммесин ислеп киятыр. Сонлықтан Мен олардан жеркендим. 24Сонда сизлер олардың жерлерине ийелик етесизлер. Пал ҳәм сүт ағып турған сол елди сизлерге мүлик етип беремен, деген едим. Сизлерди басқа миллетлерден ажыратып қойған Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.
25Сизлер ҳадал ҳәм ҳарам саналған ҳайўанлар менен қусларды ажыратыўыңыз керек. Сизлерге ҳарам деп айтқан ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшыларды жеп, өзлериңизди ҳарамламаңлар. 26Мениң алдымда мухаддес болыңлар, өйткени Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен. Маған тийисли болыўыңыз ушын, сизлерди басқа халықлардан ажыратып алдым.
27Әрўақ шақыратуғын ҳәм сыйқыршы еркек те, ҳаял да тас боран қылынып, сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады.

 

21

 

Руўханийлерге тийисли нызамлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Харонның уллары болған руўханийлерге былай деп айт: Руўханийлердиң ҳеш бири өз ағайинлериниң арасындағы бир марҳумға жантасып, өзин ҳарамламасын. 2Ал егер де марҳум өзиниң жақын туўғаны: анасы, әкеси, улы, қызы, аға-иниси ямаса 3үйиндеги турмысқа шықпаған әжапа-қарындасы болса, онда оның өлигине жантасып, өзин ҳарамлаўы мүмкин. 4Бирақ қәйин журты тәрепинен биреў қайтыс болса, сол себепли өзин ҳарамламасын.
5Руўханийлер аза тутқанда шашын қырдырып, сақалларының ушларын қырқтырмасын ҳәм денелерин тилип жарақатламасын. 6Олар Қудайы ушын мухаддес болсын, Қудайының атына тил тийгизбесин. Олар Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, яғный Қудайына ас садақасын усынғаны ушын мухаддес болсын. 7Руўханийлер бузық ямаса зорланған ҳаялларға ҳәм ажырасқан ҳаялларға үйленбеўи тийис. Себеби руўханий Қудай ушын мухаддес. 8Ас садақаңызды Қудайыңызға усынатуғын руўханийлер болғанлықтан, сизлер де оларды мухаддес санап, ҳүрмет қылың. Ол сизлер ушын мухаддес. Өйткени Мен сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийе – мухаддеспен. 9Егер бир руўханийдиң қызы бузықлық қылып, өзин ҳарамласа, онда ол өзин де, әкесин де ҳарамлаған болады. Ондай қыз отқа жандырып жиберилсин.
10Басқа руўханийлердиң арасынан майланып таңланған бас руўханий руўханийлик кийимлерди кийиў ушын тайынланған. Сонлықтан, ол өли ушын аза тутып, шашларын жайып жүрмесин, кийимлерин жыртпасын. 11Ол ҳеш қандай өлиге жақынласпасын, ҳәттеки қайтыс болған әкеси, я анасы болса да, өзин ҳарамламасын. 12Аза тутыў ушын, ол Мухаддес шатырдағы хызметин қалдырмасын, Қудайдың Мухаддес шатырын ҳарамламасын. Себеби майланған руўханий Қудайына бағышланған. Мен – Жаратқан Ийемен. 13Бас руўханий тек ғана пәк қызға үйленсин. 14Ол жесир, күйеўинен ажырасқан, зорланған ямаса бузық ҳаялға үйленбесин. Тек ғана өз халқынан болған пәк қызға үйленсин. 15Солай етип, ол мухаддес әўладын ҳарам болыўдан сақласын. Мен оны Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылған Жаратқан Ийемен.
16Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
17– Харонға былай деп айт: Келешекте әўладыңнан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам ас садақасын усыныў ушын Қудайына жақынламасын. 18Денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам қурбанлық орынға жақынламасын: соқыр, ақсақ, майып, сықылсыз, 19аяғы ямаса қолы сынық, 20бүкир, иргежейли, көзинде кемшилиги бар, қышыма жарасы бар, қотыр ҳәм жынысый қос туқым бези езилген адам. 21Руўханий Харонның урпағынан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, яғный ас садақаларын усыныў ушын қурбанлық орынға жақынламасын. 22Деген менен, ол адам Қудайына усынылған мухаддес ҳәм ең мухаддес ас садақаларынан жеўине болады. 23Бирақ ол Мухаддес бөлмедеги пердеге ҳәм қурбанлық орынға жақынламасын. Себеби оның денесинде кемшилиги бар. Ол мухаддес затларға жақынлап, оларды ҳарамламасын. Мен оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
24Муўса Харон менен улларына ҳәм пүткил Израил халқына усыларды жәриялады.

 

22

 

Сыйлардың мухаддеслиги

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Харонға ҳәм оның улларына былай деп айт: Израил халқының Маған беретуғын мухаддес сыйларына ҳүрмет пенен қарасын, Мениң мухаддес атыма тил тийгизбесин. Мен – Жаратқан Ийемен. 3Егер әўладыңыздан бири Израил халқының Маған алып келген мухаддес сыйларына ҳарам ҳалда жақынласса, оны Өз дәргайымнан жоқ қыламан. Мен – Жаратқан Ийемен.
4Харон урпағынан қәўипли тери кеселлигине дуўшар болған ямаса жынысый ағзасынан ириң ажыралып шыққан биреўи таза болмағанша, мухаддес сыйларды жемесин. Өли денеге тийгени ушын ҳарам саналған бир нәрсеге жантасқан, туқымлық суйықлығы аққан, 5адамды ҳарам қылатуғын жер баўырлаўшылардың бирине ямаса бир нәрседен ҳарам саналған бир адамға жантасқан 6руўханий кешке дейин ҳарам саналады. Ол суўға жуўынбағанша мухаддес сыйлардан жемесин. 7Күн батқаннан соң, ол таза саналады ҳәм мухаддес сыйлардан жеўине болады. Өйткени бул оның аўқаты болып есапланады. 8Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен баўызланған өликти жеп, руўханий өзин ҳарамламасын. Жаратқан Ийе – Мен боламан.
9Руўханийлер Мениң буйрықларыма әмел қылсын. Болмаса гүналарының жазасын тартады, буйрықларымды писент етпегени ушын өледи. Мен – оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
10Руўханийдиң шаңарақ ағзаларынан болмаған басқа ҳеш ким, руўханийдиң үйинде ўақтынша жасап атырған адам болсын, хызметшиси болсын, мухаддес сыйлардан жемесин. 11Бирақ руўханийдиң пулға сатып алған ямаса үйинде туўылған қул ҳәм шорылары оның аўқатынан жеўине болады. 12Руўханийдиң қызы руўханий болмаған адамға турмысқа шықса, ол бағышлап усынылған мухаддес сыйлардан жемесин. 13Бирақ ол баласы болмай, жесир қалған болса ямаса күйеўинен айырылысқан болса ҳәм әкесиниң үйине қайтып келгеннен соң, қыз ўақтындағыдай үйинде жасаса, онда әкесиниң аўқатынан жеўине болады. Ал руўханийдиң шаңарағынан болмаған ҳеш бир адам оннан жемесин.
14Егер ким де ким билместен мухаддес сыйдан жеп қойса, ол сол сыйдың орнын толтырып, үстине бестен бир бөлегин қосып, руўханийге қайтарып берсин. 15-16Руўханийлер Израил халқының Жаратқан Ийеге алып келген мухаддес сыйларын басқа израиллылардың жеўине жол қойып, өзлерине тийисли мухаддес сыйларды ҳарамламасын. Болмаса израиллылар гүнаға батып, жазаға тартылады. Себеби Мен – қурбанлықларды Өзиме ажыратып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.

 

Қабыл етилмейтуғын қурбанлықлар

 

17Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18– Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: Израил халқынан ямаса израиллылар арасында жасап атырған келгиндилерден бири Жаратқан Ийеге берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен жандырылатуғын қурбанлық бермекши болса, 19қурбанлығының қабыл етилиўи ушын, минсиз бир еркек ири мал ямаса майда мал алып келсин. 20Кемшилиги бар ҳеш бир ҳайўанды қурбанлыққа усынбаңлар. Өйткени булар қабыл етилмейди.
21Ким де ким берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў ушын ири мал ямаса майда мал алып келсе, оның қабыл етилиўи ушын әкелген малы минсиз болыўы тийис. Оның ҳеш қандай кемшилиги болмасын. 22Соқыр, майып, жарақатланған, ириңли жарасы бар, қышыма жарасы бар ямаса қотыры бар малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар ҳәм Оған сый қылып, қурбанлық орынның үстине қоймаңлар. 23Ал мүшелериниң бири узын ямаса келте болған ири мал ямаса майда малды ықтыярлы түрде беретуғын қурбанлық ушын усыныўыңызға болады. Бирақ бундай малды ўәде етилген қурбанлық етип усынбаң, ол қабыл етилмейди. 24Туқым бези езилген, жулынып қалған ямаса кесип тасланған малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар, елиңизде буған ҳеш қашан жол қоймаңлар. 25Усындай кемшилиги бар малды жат жерли адамнан алып, Қудайға қурбанлық етип бермең. Себеби бул мал зыянланған ҳәм кемшилиги бар. Ол қабыл етилмейди.
26Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
27– Бузаў, қозы ямаса ылақ жаңа туўылған ўақтында жети күн анасының қасында болсын. Сегизинши күннен баслап, оны Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық етип берсеңиз болады. 28Ири ямаса майда малды туўған баласы менен бирге бир күнде соймаңлар.
29Жаратқан Ийеге миннетдаршылық қурбанлығын берген ўақытта, оны қабыл етилетуғын түрде усының. 30Оның гөшин сол күни жеп таслаң, азанға дейин аўыстырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.
31Буйрықларыма бойсынып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен. 32Мениң мухаддес атыма тил тийгизбеңлер. Израил халқы Мени мухаддес деп тән алсын. Сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен. 33Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мен – Жаратқан Ийемен.

 

23

 

Байрамлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын байрамларым, Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар болады:

 

Шаббат, яғный дем алыс күни

 

3Алты күн жумыс ислеңлер. Бирақ жетинши күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни ҳәм мухаддес жыйналыс күни болады. Ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Қайсы жерде жасасаңыз да, Шаббат күнин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар.

 

Қутқарылыў ҳәм ашытқысыз нан байрамы

 

4Белгиленген ўақытта мухаддес жыйналыс деп жәрия қылатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар: 5Биринши айдың он төртинши күни кеште Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар. 6Он бесинши күни Жаратқан Ийеге арналған Ашытқысыз нан байрамы болсын. Солай етип, жети күн ашытқысыз нан жеңлер. 7Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс болсын. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. 8Жети күн даўамында Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бериңлер. Жетинши күни мухаддес жыйналыс болсын. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.

 

Биринши зүрәәт

 

9Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10– Израил халқына былай деп айт: Сизлерге беретуғын елге кирип, арпа зүрәәтин жыйнағаныңызда, жыйнаған зүрәәтиңиздиң биринши баўын руўханийге әкелип бериң. 11Қабыл етилиўи ушын, Шаббат күнинен кейинги күни руўханий баўды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 12Баў жоқары көтерип усынылған күни Жаратқан Ийеге бир жасар минсиз еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының. 13Тоқлы менен бирге ғәлле садақасы қылып, зәйтүн майы араластырылған бир эфа сапалы унның оннан екисин берсин. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге ишимлик садақасы етип, бир ҳин шараптың төрттен бирин усының. 14Қудайыңызға усы садақаны алып келетуғын күнге дейин нан, қуўырмаш ҳәм жаңа пискен дән жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, бул әўладлар даўамында сизлерге мәңги қағыйда болсын.

 

Ҳәптелер байрамы

 

15Шаббат күнинен кейинги баўды жоқары көтерип усынған күннен баслап, жети ҳәпте санаң. 16Жетинши Шаббаттан кейин, елиўинши күн басланғанда, Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа әкелиң. 17Жасап атырған жериңизден Жаратқан Ийеге жоқары көтерип усынылатуғын садақа етип, еки нан алып келиң. Нанлар биринши зүрәәтиңизден болып, оннан еки эфа сапалы уннан ашытқы салынып жаўылсын ҳәм буны Жаратқан Ийеге усының. 18Нан менен бирге жандырылатуғын қурбанлық ушын, Жаратқан Ийеге бир жасардан болған минсиз жети еркек тоқлы, бир буға ҳәм еки қошқарды алып келиң. Ғәлле ҳәм ишимлик садақасы менен усынылатуғын бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 19Гүна қурбанлығына бир теке, татыўлық қурбанлығына бир жасардан еки тоқлы алып келиңлер. 20Руўханий еки тоқлыны биринши бийдай зүрәәтинен жабылған нан менен бирге, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. Жаратқан Ийеге бағышланып, мухаддес болған бул қурбанлықлар руўханийлерге тийисли. 21Сол күнди мухаддес жыйналыс деп жәриялаңлар ҳәм күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын.
22Жериңиздеги егинлерди жыйнағаныңызда, атызыңыздың шетине дейин орып алмаң. Түсип қалған масақларды жыйнап алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

 

Кәрнай байрамы

 

23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24– Израил халқына былай деп айт: Жетинши айдың биринши күни дем алыс күни болсын. Сол күни кәрнай шертилип, еслеў күни белгиленсин ҳәм мухаддес жыйналыс өткерилсин. 25Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер, Жаратқан Ийеге қурбанлықлар усыныңлар.

 

Гүнадан пәклениў күни

 

26Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
27– Жетинши айдың оныншы күни Гүнадан пәклениў күни. Сол күни мухаддес жыйналыс болсын ҳәм ораза тутып, Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. 28Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында гүналарыңыздан пәкленетуғын күниңиз болады. 29Сол күни ораза тутпаған ҳәр бир адам өз халқы арасынан жоқ қылынады. 30Сол күни қандай да бир жумыс ислеген адамды өз халқы арасынан жоқ етемен. 31Ҳеш қандай жумыс ислемең. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын. 32Сол күни сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болып, ораза тутыңлар. Айдың тоғызыншы күниниң кешинен баслап, ертеңги кешке дейин Шаббат күнин белгилеңлер.

 

Қос байрамы

 

33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
34– Израил халқына былай деп айт: Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилеңлер. 35Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериңлер. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. 36Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
37Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар усылар болады. Байрамларда Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын, басқа қурбанлықларды ҳәм ишимлик садақаларын белгиленген өз күнлеринде алып келиңлер. 38Булар Жаратқан Ийеге тийисли болған Шаббат күнинен, Жаратқан Ийеге арнап алып келетуғын сыйларыңыздан, ўәде ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары болсын.
39Жерлериңиздиң зүрәәтлерин жыйнап болған ўақтыңызда, жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап Қос байрамын өткизиң. Байрамның биринши ҳәм сегизинши күни дем алыс күни болсын. 40Биринши күни мийўе ағашларыңыздың ең жақсы мийўелерин, пальма ағашының жапырақларын, мол жапырақлы теректиң талларын, суў бойында өсетуғын теректиң шақаларын жыйнап, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында жети күн даўамында шадланыңлар. 41Буны ҳәр жылы жети күн даўамында Жаратқан Ийениң байрамы етип белгилеңлер. Жылдың жетинши айында белгиленетуғын усы байрам әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болып қалсын. 42Жети күн даўамында қоста жасаңлар. Ҳәр бир жергиликли израиллы қосларда жасасын. 43Сонда келешек әўладларыңыз Израил халқын Мысырдан алып шыққан ўақтымда, олардың қосларда жасағанын билип алады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
44Усылай етип, Муўса Израил халқына Жаратқан Ийеге арналған байрамларын жәриялады.

 

24

 

Жаратқан Ийениң алдында жанып туратуғын шыралар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына буйрық бер, олар шыралардың ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, сапалы зәйтүн майынан алып келсин. 3Харон Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында шыралардың кештен таңға дейин Мениң алдымда сөнбей жанып турыўын тәмийинлесин. Бул әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын. 4Харон сап алтыннан исленген ҳәстениң үстине шыраларды орнатсын. Шыралар Жаратқан Ийениң алдында ҳәмме ўақытта үзликсиз жанып турсын.

 

Жаратқан Ийеге арналған ғәлле садақасы

 

5Сапалы уннан он еки шөрек нан жап. Ҳәр бир нан оннан еки эфа муғдарындағы уннан жабылсын. 6Оларды Жаратқан Ийениң алдындағы сап алтыннан исленген столға алтаў-алтаўдан еки жерге үсти-үстине қой. 7Булардың қасына таза хош ийисли шайырдан қойып шық. Бул хош ийисли шайыр нанның орнына толық садақаның белгиси етип, Жаратқан Ийеге усынылады. 8Ҳәр Шаббат күни бул нанлар Жаратқан Ийениң алдына қойылсын. Бул Израил халқының мәңги ўазыйпасы болсын. 9Нанлар Харонға ҳәм оның улларына тийисли, олар нанларды мухаддес жерде жесин. Өйткени бул Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлардың жүдә мухаддес бөлеги болып, олардың мәңги пайы болады.

 

Қудайға тил тийгизгенниң ақыбети

 

10Бир күни анасы израиллы, әкеси мысырлы болған бир адам ордада израиллы бир адам менен жәнжеллесип қалды. 11Израиллы ҳаялдың улы Жаратқан Ийеге тил тийгизип, нәлет айтты. Сонда оны Муўсаның алдына алып келди. Сол жигиттиң анасы Дан урыўынан болған Дибрийдиң қызы Шеломит еди. 12Сол адамды қамаққа алып, Жаратқан Ийениң ҳүкимин күтти.
13Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
14– Оны орданың сыртына алып шығың. Ол айтқан нәлетти еситкен ҳәр бир адам қолларын сол адамның басына қойсын ҳәм пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. 15Израил халқына былай деп айт: Ким де ким Қудайын нәлетлесе, гүнасының жазасын тартады, 16яғный Жаратқан Ийеге тил тийгизген адам сөзсиз өлтириледи. Пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамның келгинди ямаса жергиликли адам болыўына қарамастан, ол өлтирилсин.
17Адам өлтирген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. 18Басқа биреўдиң малын өлтирген адам орнына бир мал берип, алған жанының орнын жан менен өтесин. 19Ким де ким жанындағы адамды жарақатласа, оған да сондай жарақат жеткизилиўи керек. 20Сыныққа сынық, көзге көз, тиске тис. Яғный басқаны қалай жарақатлаған болса, өзи де солай жарақатлансын. 21Мал өлтирген адам малдың қунын төлесин, адам өлтирген болса, өлтирилсин. 22Келгинди адам ушын да, жергиликли адам ушын да бирдей нызам қолланылады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
23Муўса буларды Израил халқына айтып болғаннан соң, халық Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамды орданың сыртына алып шықты да, оны тас боран қылып өлтирди. Солай етип, Израил халқы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығын орынлады.

 

25

 

Жетинши жыл (Шаббат жылы)

 

1Жаратқан Ийе Синай таўында Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Мен сизлерге берип атырған елге киргениңизде, Жаратқан Ийениң ҳүрметине ҳәр жетинши жылы жерге егин екпей, дем алыс бериң. 3Алты жыл атызларыңызға егин егиңлер, жүзимлердиң шақаларын путап, өнимлерин жыйнаңлар. 4Бирақ жетинши жылы жер ушын дем алыс жылы, яғный Жаратқан Ийеге арналған Шаббат жылы болсын. Атызларға егин екпеңлер, жүзимзарларыңызды путамаңлар. 5Өзлигинен өсип шыққан ҳасылды орып, шақалары путаланбаған жүзимлерди сақлап қойыў ушын, жыйнап алмаңлар. Жер толығы менен бир жыл дем алсын. 6Дем алыс жылында өзлигинен өсип шыққан ҳәр қандай жердиң өниминиң өзи сизлер ушын, қул ҳәм шорыларыңыз, жалланба хызметшилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер ушын аўқат болады. 7Жерде өсип шыққан ҳасыллар малларыңызға да, жабайы ҳайўанларға да азық болады.

 

Қутлы жыл

 

8Жети жылда бир мәрте белгиленетуғын Шаббат жылының жети мәрте өтиўин бақлаң. Шаббат жылы жети мәрте өткенде, барлығы болып қырқ тоғыз жыл болады. 9Кейинги жылдың жетинши айының оныншы күни, яғный Гүнадан пәклениў күни пүткил ел бойлап қатты даўыслап кәрнай шертилсин. 10Усы елиўинши жылды мухаддес деп санаңлар ҳәм пүткил ел халқы ушын азатлық жәриялаңлар. Усы жыл сизлер ушын Қутлы жыл болады. Ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын ҳәм қул болған ҳәр бир адам азат болып, өз тийресине қайтсын. 11Елиўинши жыл сизлер ушын Қутлы жыл болсын. Усы жылы егин екпеңлер, өзи өсип шыққан егинлерди орып алып, сақламаңлар, шақасы путаланбаған жүзимлерди жыйнамаңлар. 12Өйткени усы жыл Қутлы жыл ҳәм бул сизлер ушын мухаддес болсын. Тек атыздан туўрыдан-туўры алынған зүрәәтти жеңлер.
13Қутлы жылда ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын. 14Егер бир адамға жер сататуғын болсаң ямаса оннан жер сатып алатуғын болсаң, бир-бириңизге наҳақлық қылмаң. 15Жердиң баҳасы кейинги Қутлы жылға шекемги жердиң жетистиретуғын зүрәәти бойынша баҳалансын. 16Егер алдында еле көп жыл болса, баҳасы артсын, ал азғантай жыл қалған болса, онда баҳасы түсирилсин. Себеби саған атызды емес, ал оның зүрәәтиниң муғдарын сатады. 17Бир-бириңизге наҳақлық қылмаңлар, Қудайыңыздан қорқыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
18Қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынсаңыз, сонда елиңизде тынышлық ишинде жасайсызлар. 19Жер өз зүрәәтин берип, сизлер тоясызлар ҳәм ол жерде тынышлық ишинде жасайсызлар. 20Сизлер: «Жетинши жылы жеримизге егин екпесек, зүрәәтимизди жыйнамасақ, онда не ишип-жеймиз?» – деп сораўыңыз мүмкин. 21Мен алтыншы жылы сизлерге сондай берекет жиберемен, жер сизлер ушын үш жыллық зүрәәт беретуғын болады. 22Сегизинши жылы жерлериңизге егин еккениңизде де, тоғызыншы жылы зүрәәтиңизди жыйнайман дегенше, сол алтыншы жылы жыйнаған зүрәәтиңизден жейсизлер.
23Жериңиз пүткиллей меншикке сатылмасын. Өйткени олар Маған тийисли. Ал сизлер бул жерге келгинди ҳәм жат жерлисизлер. 24Жерин сатқан адамға өзиниң жерин қайтарып сатып алыўына жол қойыңлар. 25Егер туўысқанларыңыздан бири гедейленип, жериниң бир бөлегин сатып жиберген болса, оның ең жақын әменгери келип, жерди қайтарып сатып алсын. 26Жерин сатып алатуғын әменгери болмаса, онда ол адам жағдайы жақсыланып, жетерли пул жыйнаса, 27жерди сатқаннан кейинги жыллардың ҳәм Қутлы жылға дейинги жыллардың зүрәәтиниң баҳасын есаплап, жерди сатып алған адамға төлесин. Соннан кейин, ол өз жерине өзи ийелик қылсын. 28Ал оның жерин қайтарып сатып алатуғын пулы болмаса, жер Қутлы жылға дейин сатып алған адамға тийисли болып турады. Сол жылы жер сатып алған адамнан алынып, сатқан адам өз жерине қайтадан ийелик қылсын.
29Егер ким де ким дийўал менен қоршалған қала ишиндеги үйин сатса, сатқан адам бир жылға дейин үйин қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады. 30Егер ол үйин бир жыл ишинде қайтарып сатып ала алмаса, онда үй сатып алған адамның мүлкине айланып, ол ҳәм оның нәсили үйдиң мәңги ийеси болып қалады. Қутлы жылда да үй жаңа ийесиниң қолынан қайтарып алынбайды. 31Ал дийўал менен қоршалмаған аўыллардағы үйлер атызлар сыяқлы есаплансын. Бундай үйлерди алдынғы ийеси қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады, Қутлы жылда үйди сатып алған адам оны қайтарып бериўи тийис.
32Ал лебийлилер өзлерине тийисли қалаларда сатқан үйлерин ҳәмме ўақытта қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болсын. 33Лебийлилер қайтарып сатып алатуғын усындай мүликлер, яғный лебийлилерге тийисли болған қалалардағы сатылған ҳәр бир үйлер Қутлы жылда өз ийесине қайтарып берилсин. Себеби қалалардағы лебийлилердиң үйлери Израил халқының арасындағы олардың мүлки болып есапланады. 34Олардың қалаларының әтирапындағы жайлаўлар болса, улыўма сатылмасын. Өйткени булар олардың мәңгилик мүлки.

 

Жарлыларға жәрдем бериў

 

35Егер бир туўысқаныңыз жарлыланып, мүтәж аўҳалға түсип қалса, оған жәрдем бериң. Ол сизлердиң араңызда келгинди ямаса жат жерли сыяқлы жасасын. 36Ол адамнан пул ҳәм аўқат ушын үстеме өндирип алмаң. Қудайдан қорқың, туўысқаныңыздың араңызда жасаўына жол қойың. 37Оған үстеме берип, пул өндирмең ҳәм аўқатты өзиңизге кирис қылыў ушын бермеңлер. 38Мен Кенаан елин сизлерге бериў ушын ҳәм Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарып алған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
39Егер араңызда жасап атырған израиллы бир туўысқаныңыз жарлыланып қалса ҳәм ол қул сыпатында саған сатылса, оны қулдай етип жумсамаң. 40Оған үйиңиздеги жалланба жумысшы ямаса келгинди сыяқлы қатнаста болың. Ол саған Қутлы жылға дейин хызмет қылсын. 41Қутлы жылда балалары менен бирге азат болсын. Олар өз тийресине, ата-бабаларының жер мүлкине қайтсын. 42Себеби израиллылар Мениң Мысырдан шығарып алған қулларым болады. Сонлықтан олар қул сыяқлы сатылмасын. 43Оған хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң. Қудайыңыздан қорқың.
44Қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз әтирапыңыздағы халықлардан болсын. Қул ҳәм шорыны олардың арасынан сатып алыўыңызға болады. 45Және де, араңызда жасап атырған келгиндилердиң балаларын сатып алып, оларға хожайын бола аласызлар. 46Оларды мийрас қылып, балаларыңызға қалдырып кете аласызлар. Олар өмир бойы сизлерге қул болады. Бирақ израиллы туўысқанларыңыздың бирине хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң.
47Араңызда жасап атырған келгинди ямаса жат жерли бир адам байып кетип, гедейленген бир израиллы туўысқаныңыз оған ямаса оның урпақларынан бирине қул сыпатында сатылса, 48израиллы адам қуны төленип, азат болыў ҳуқықына ийе болады. Оның ағайин-туўғанларының бири оның қунын төлеп, азат қылсын. 49Сондай-ақ әкесиниң ағасы, аталас туўысқаны ямаса жақын ағайинлериниң бири оны қайтарып сатып алып, оны азат қылыўы мүмкин. Ямаса өзи жетерли пул топласа, өзиниң азатлығын қайтарып алыўына болды. 50Ол хожайыны менен есапласыўы керек. Өзин сатқан жылдан Қутлы жылға дейинги жылларды есапласын. Азатлығының қуны қалған жыллардың саны бойынша бир жумысшының күнлик ис ҳақысының есабы бойынша төленсин. 51Егер де Қутлы жылға көп жыллар қалса, онда азатлық қунын өзи сатылған баҳаға тийкарланып төлесин. 52Егер Қутлы жылға азғантай жыл қалса, онда усы бойынша есапласып, өзиниң азатлық қунын төлесин. 53Ол хожайынының қасында бир жылға жалланған жумысшы сыяқлы болып жасаўы керек. Хожайынының оған қатал қатнаста болыўына жол қойма.
54Егер сатылған туўысқаныңыз усы жоллар менен азат бола алмаса, Қутлы жылда балалары менен бирге азат етилсин. 55Өйткени израиллылар Мениң қулларым, Мысырдан Өзим шығарып алған қулларым болады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

 

26

 

Қудайға бойсынғанлардың жарылқаныўы

 

1Өзлериңизге жалған қудайлардың мүсинлерин ислемеңлер, кийели тасларды ямаса ойып исленген тасларды орнатпаңлар. Себеби Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 2Маған тийисли болған Шаббат күнине әмел қылып, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.
3Егер қағыйдаларым бойынша жасап, буйрықларымды дыққат пенен орынлап жүрсеңиз, 4жаўынды өз ўақтында жаўдыраман. Жер өз зүрәәтин, мийўе ағашлар өз мийўелерин береди. 5Зүрәәтиңиз соншелли мол болғанлықтан, жүзим жыйнайтуғын ўақытқа дейин қырман айдайсызлар, егис ўақтына дейин жүзим жыйнайсызлар. Азық-аўқатыңыз көп болады ҳәм елиңизде қәўипсиз жасайсызлар.
6Елиңизде тынышлық сақлайман, тыныш жатып-турасызлар, ҳеш ким сизлерди қорқыта алмайды. Жыртқыш ҳайўанларды жериңизден қуўып шығараман. Жериңиз саўаш себепли ўайран болмайды. 7Душпанларыңызды қуўасызлар, олар сизлердиң қылышларыңыздың соққысынан алдыңызда жерге қулайды. 8Бесеўиңиз жүз адамды, жүзиңиз он мың адамды қуўатуғын боласызлар. Душпанларыңызды қылыштан өткерип, жеңиске ерисесизлер. 9Сизлерге Өз нәзеримди саламан, сизлерди өсип-өндирип, көбейтемен. Сизлер менен келискен келисимиме садық қаламан. 10Бурынғы зүрәәтиңизди жеп таўыса алмайсызлар. Жаңадан алған зүрәәтиңизге орын босатыў ушын бурынғы зүрәәтиңизди шығарып таслайтуғын боласызлар. 11Мәкан жайымды сизлердиң араңызға қураман, сизлерден жеркенип, жүз бурмайман. 12Сизлердиң араңызда жасайтуғын Қудайыңыз боламан. Сизлер де Мениң халқым боласызлар. 13Мен сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан қутқарған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мойынтырығыңызды сындырып тасладым ҳәм басларыңызды көтерип жүриўге мүмкиншилик бердим.

 

Қудайға бойсынбаўшылықтың жазасы

 

14Бирақ Маған қулақ аспай, пүткил буйрықларымды орынламасаңыз, жазаланасызлар. 15Қағыйдаларымнан жүз бурып, нызамларымнан жеркенип, буйрықларыма бойсынбасаңыз ҳәм келисимимди бузсаңыз, 16онда сизлерге мынадай жаза жиберемен: үстиңизге қорқыныш дөндиремен. Өкпе кеселлиги ҳәм ысытпа көзлериңиздиң нурын сөндирип, жаныңызды кемиреди. Туқымды босқа егетуғын боласызлар, себеби зүрәәтиңизди душпанларыңыз жейтуғын болады. 17Сизлерге Өзим қарсы шығаман. Душпанларыңыз сизлердиң үстиңизден жеңиске ериседи. Сизлерди жек көретуғынлар сизлерге ҳүкимдарлық қылады ҳәм изиңизден ҳеш ким қуўмаса да, қашатуғын боласызлар.
18Егер буларға да қарамай, Маған қулақ салмасаңыз, гүналарыңыздың жазасын жети есе арттыраман. 19Қайсар менменлигиңизди жоқ қыламан. Аспаныңызды темир сыяқлы, жериңизди қола сыяқлы қыламан. 20Күшиңизди босқа сарплайсызлар, жериңиз өз зүрәәтин, мийўе ағашларыңыз мийўесин бермейтуғын болады.
21Егер буннан кейин де қарсы шығыўды даўам етсеңиз, Маған қулақ салыўды қәлемесеңиз, гүналарыңыздың жазасын жети есеге арттыраман. 22Сизлерге қарсы жабайы ҳайўанларды жиберемен. Олар сизлерди балаларыңыздан айырып, малларыңызды қырып таслайды. Сонда сизлердиң саныңыз азайып, жолларыңыз босап қалады.
23Буның менен де туўры жолға түспей, Маған қарсы шығыўды даўам етсеңиз, 24Мен де сизлерге қарсы шығып, гүналарыңыз ушын сизлерди жети есе жазалайман. 25Келисимимди бузғаныңыз ушын басыңызға саўаш дөндирип, жазалайман. Қалаларыңызға шегинип, тығылсаңыз, араңызға оба жиберемен ҳәм сизлерди душпаныңызға тәслим қыламан. 26Наныңыздан қырқаман. Сонда он ҳаял нанларын бир тандырда жабатуғын болады. Наныңыз аз-аздан, өлшеп берилетуғын болады. Сизлер буны жегениңиз бенен де, буған тоймайсызлар.
27Булардан кейин де Маған және қулақ салмай, Маған қарсы шықсаңыз, 28онда Мен де ғәзеп пенен сизлерге қарсы шығаман ҳәм гүналарыңыздың жазасын жети есеге көбейтемен. 29Ашлық себепли ул-қызларыңыздың денесин жейтуғын боласызлар. 30Табынатуғын орынларыңызды қулатып, түтетки түтетуғын орынларыңызды жоқ қыламан. Өликлериңизди жансыз бутларыңызға қосып үйемен, сизлерден жеркенетуғын боламан. 31Қалаларыңызды ўайран қылып, мухаддес орынларыңызды бузып таслайман. Маған усынған хош ийисли садақаларыңызды қабыл етпеймен. 32Елиңизди ўайран қыламан, ол жерге жайласатуғын душпанларыңыз бул аўҳалға қатты таң қалысатуғын болады. 33Сизлерди болса, басқа халықлардың арасына тарқатып жиберип, қылышым менен сизлердиң изиңизге түсип аламан. Елиңиз босап қалады, қалаларыңыз ўайран болады. 34Сизлер душпанларыңыздың елинде жасап атырғаныңызда, жериңиз босап қалады. Сол ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. 35Жериңиз ўайран болып, босап қалған ўақытта дем алады. Себеби сизлер елиңизде жасап атырған ўақтыңызда, Шаббат жыллары жериңизге дем бермеген едиңиз.
36Душпанларыңыздың жерлеринде аман қалғанларыңыздың жүрегине сондай бир қорқыныш саламан, ҳәттеки, жапырақтың сытырлысынан да қылыштан қашқандай болып қашасызлар. Сизлердиң изиңизден ҳеш ким түспесе де, қашып, жығыласызлар. 37Сизлерди ҳеш ким қуўмаса да, қылыштан қашқандай болып, бир-бириңизге сүрнигип жығыласызлар. Душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар. 38Солай етип, басқа халықлардың арасында жоқ боласызлар. Душпанларыңыздың жерлери сизлерди жутып жибереди. 39Аман қалғанларыңыз болса, душпан жерлеринде өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары себепли димарыңыз қурып, азап шегесизлер.
40Бирақ сизлер өзлериңиздиң ҳәм ата-бабаларыңыздың гүналарын, Маған қыянет еткенлериңизди ҳәм Маған қарсы ислеген ислериңизди тән аласызлар. 41Себеби гүналарыңыз себепли сизлерге қарсы шығып, душпанларыңыздың жерине алып бардым. Енди тас жүреклериңизди жумсартып, айыпларыңыздың жазасын өтейсизлер. 42Сонда Мен де Яқып, Ысақ ҳәм Ибрайым менен дүзген келисимимди ҳәм сизлерге ўәде қылып берген жерди еслеймен. 43Ел ўайран болып, босап қалған ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. Сизлер ислеген гүналарыңыздың жаза мүддетин өтейсизлер, өйткени сизлер нызамларымнан бас тартып, қағыйдаларымнан жеркендиңиз. 44Буларға қарамай, Мен душпан жерлеринде болған сизлерден бас тартпайман, сизлерден жеркенип, толығы менен қырып тасламайман. Сизлер менен дүзген келисимимди бузбайман. Себеби Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 45Қудайыңыз болыў ушын, басқа халықлардың көз алдында Мысырдан алып шыққан ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисимимди сизлер ушын еслеймен. Мен – Жаратқан Ийемен.
46Жаратқан Ийениң Синай таўында Муўса арқалы Израил халқына берген қағыйдалары, нызамлары ҳәм көрсетпелери усылардан ибарат еди.

 

27

 

Ўәде арқалы берилетуғын сыйларға байланыслы нызамлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Егер ким де ким бир адамды Жаратқан Ийеге бағышлаўға ўәде берсе, сол адамның қуны ушын берилетуғын төлеми төмендегидей мөлшерде болсын. 3Бул төлемниң қуны мынадай болады: жигирма жастан алпыс жасқа дейинги ер адамлар ушын Мухаддес орын өлшеми менен елиў шекел гүмис, 4ал ҳаяллар ушын отыз шекел гүмис. 5Бес жастан жигирма жасқа дейинги ер адамлар ушын жигирма шекел, ал ҳаял-қызлар ушын он шекел. 6Бир айлық бөпеден бес жасқа дейин болған ер балалар ушын бес, қызлар ушын үш шекел гүмис. 7Егер алпыс ямаса оннан жоқары жаста болса, онда еркеклер ушын он бес шекел гүмис, ал ҳаяллар ушын он шекел гүмис төленсин. 8Егер ўәде берген адам жарлы болып, белгиленген баҳаны төлеўге шамасы келмесе, бағышланған адамды руўханийге алып барсын. Руўханий ўәде берген адамның жағдайына қарай, баҳа белгилесин.
9Егер Жаратқан Ийеге ўәде қылынған мал қурбанлыққа шалыўға болатуғын ҳадал болса, ол Жаратқан Ийеге бағышланған мухаддес болып есапланады. 10Ўәде қылған адам Жаратқан Ийеге бағышлаған малын жақсысының орнына жаманын ямаса жаманының орнына жақсысын алмастырмасын. Егер ол малды алмастырса, алмастырылған мал менен екеўи де Қудайға тийисли болып, мухаддес саналады. 11Егер Жаратқан Ийеге арнап әкелинген сый ҳарам саналған маллардан болса, оны руўханийге алып барсын. 12Руўханий малдың жақсы-жаманына қарап, баҳа белгилесин ҳәм оның баҳасы солай қалсын. 13Егер ийеси малды қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханий тәрепинен белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин.
14Егер бир адам өзиниң үйин сый қылып, Жаратқан Ийеге бағышласа, руўханий үйдиң жақсы-жаманына қарап, оның баҳасын белгилесин. Руўханий үйге қандай баҳа белгилесе, үйдиң баҳасы сондай болады. 15Егер сол адам бағышлаған үйин қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханийдиң белгилеген баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда үй қайтадан өзиники болып қалады.
16Егер бир адам бабасынан қалған мийрас атызының бир бөлегин Жаратқан Ийеге бағышлаўды қәлесе, атызға егилетуғын туқымның муғдары бойынша баҳасы белгиленсин. Бир хомер арпа[16] туқымы егилетуғын атыздың баҳасы елиў шекел гүмис болады. 17Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын. 18Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады. 19Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады. 20Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды. 21Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады.
22Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа, 23руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни-ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 24Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин. 25Ҳәр бир белгиленген баҳа Мухаддес орынның шекели[17] бойынша белгиленсин. Бир шекел жигирма герадан ибарат.
26Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллери Жаратқан Ийеники болып, олардың ҳеш қайсысын Жаратқан Ийеге бағышламаң. Себеби ол Жаратқан Ийеге тийисли. 27Бирақ биринши туўылған мал ҳарам саналған маллардан болса, ол ушын руўханийдиң белгилеген баҳасын ҳәм оның үстине бестен бир бөлегин қосып төлеп, малды қайтарып алыўына болады. Егер ол қайтарып алынбаса, онда мал белгиленген баҳаға басқа биреўге сатылады.
28Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам, мал ҳәм мийрастан қалған атыздың ҳеш бири сатылмасын ҳәм қайтарып алынбасын. Өйткени Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге тийисли болып, жүдә мухаддес саналады. 29Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам ақшаға қайтарып сатып алынбасын, ол сөзсиз өлтирилсин.
30Жердиң зүрәәти болсын, мийўе ағаштың жемиси болсын, жерден өнип шығатуғын ҳәр бир зүрәәттиң оннан бири Жаратқан Ийеге тийисли. Булар Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 31Егер бир адам оннан бириниң бир бөлегин қайтарып алыўды қәлесе, онда ол баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлеўи тийис. 32Барлық ири ҳәм майда маллардың оннан бирине келсек, шопанның таяғының астынан өткен ҳәр бир оныншы мал Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 33Оннан бирге ажыратылған малды жақсы ҳәм жаман деп айырып, бир-бири менен алмастырмаң. Егер де мал алмастырылса, онда еки мал да мухаддес саналады ҳәм оны қайтарып сатып алыўға болмайды.
34Жаратқан Ийениң Синай таўында Израил халқына Муўса арқалы берген буйрықлары усылар еди.

 

 

 

Санлар

1

 

Израил халқының биринши мәрте дизимге алыныўы

 

1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың екинши айының биринши күни Жаратқан Ийе Синай шөлинде, Ушырасыў шатырында Муўсаға былай деди:
2-3– Сен Харон менен бирге пүткил Израил жәмийетин тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шық. Саўашқа жарамлы болған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық еркеклерди бөлимлерге бөлип, бирме-бир атларын жазып дизимге алың. 4Сизлерге жәрдем бериўи ушын жаныңызда ҳәр бир урыўдан бир адамнан болсын. Олар әўлад басшыларынан болсын. 5Сизлерге жәрдем беретуғын адамлардың атлары мыналар:

 

 

Рубен урыўынан – Шедеур улы Элисур,
6Шимон урыўынан – Суришаддай улы Шелумиел,
7Яҳуда урыўынан – Амминадаб улы Нахшон,
8Иссахар урыўынан – Суар улы Нетанел,
9Зебулон урыўынан – Хелон улы Элиаб,
10Юсуп урпағынан болған Эфрайым урыўынан – Аммиҳуд улы Элишама,
Юсуп урпағынан болған Менашше урыўынан – Педасур улы Гамалиел,
11Бенямин урыўынан – Гидоний улы Абидан,
12Дан урыўынан – Аммишаддай улы Ахиезер,
13Ашер урыўынан – Охран улы Пагиел,
14Гад урыўынан – Деўел улы Элясаф,
15Нафталий урыўынан – Энан улы Ахира.

 

 

16Халық арасынан таңлап алынған бул адамлар өз урыўының көсемлери болып, Израилдың әўлад басшылары еди. 17Муўса менен Харон атлары аталған усы адамларды шақыртып алды. 18-19Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша екинши айдың биринши күни пүткил халықты жыйнады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды тийрелери, әўладлары бойынша атларын бирме-бир дизимге алды. Солай етип, Муўса Синай шөлинде халықты санап шықты.
20-21Тийре ҳәм әўладлары бойынша бирме-бир атлары дизимге алынған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы ер адамлардың саны төмендегидей еди:

 

 

Израилдың туңғыш улы Рубен урыўынан – 46 500 адам,
22-23Шимон урыўынан – 59 300 адам,
24-25Гад урыўынан – 45 650 адам,
26-27Яҳуда урыўынан – 74 600 адам,
28-29Иссахар урыўынан – 54 400 адам,
30-31Зебулон урыўынан – 57 400 адам,
32-33Юсуп улы Эфрайым урыўынан – 40 500 адам,
34-35Юсуп улы Менашше урыўынан – 32 200 адам,
36-37Бенямин урыўынан – 35 400 адам,
38-39Дан урыўынан – 62 700 адам,
40-41Ашер урыўынан – 41 500 адам,
42-43Нафталий урыўынан – 53 400 адам.

 

 

44Муўса, Харон ҳәм Израилдың он еки урыўының көсемлери тәрепинен дизимге алынғанлар усылар еди. Ҳәр бир көсем өз урыўының ўәкили еди.
45Израилда жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы барлық израиллылар өзлериниң әўладлары бойынша есапқа алынды.
46Есапқа алынғанлардың барлығы 603 550 адам болды.
47Бирақ Лебий урыўы басқалар менен бирге дизимге алынбады. 48Себеби Жаратқан Ийе Муўсаға былай деген еди: 49«Тек Лебий урыўының есабын алма ҳәм оларды басқа израиллылар менен бирге дизимге киргизбе. 50Лебийлилерди ишинде буйрықлар жазылған еки тас турған Шатырға, оған тийисли ҳәр бир буйым ҳәм затларға жуўапкер қылып қой. Олар Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын көтерип алып жүрсин ҳәм абайлап қарап жүрсин. Оның дөгерегине өз шатырларын қурсын. 51Мухаддес шатыр көширилгенде, оны лебийлилер жыйнасын, тоқтаған ўақытта да, оны лебийлилер қурсын. Лебийлилерден басқа Шатырға жақынласқан ҳәр бир адам өлтирилсин. 52Израиллылар бөлимлерге бөлинип, шатырларын қурсын. Ҳәр бир адам өз ордасында ҳәм өз байрағы астында орналассын. 53Ал Израил жәмийети Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырамаўы ушын, лебийлилер буйрықлар қойылған Шатырдың дөгерегине өз шатырларын қурсын ҳәм оны қараўылласын».
54Израиллылар булардың барлығын Жаратқан Ийе Муўсаға қалай буйырған болса, анық сондай етип орынлады.

 

2

 

Израил урыўларының орналасыў тәртиби

 

1Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харонға былай деди:
2– Израиллылардың ҳәр бири өз әўладының белгиси болған байрақларының астында орналассын. Олар өз шатырларын Ушырасыў шатырының дөгерегине, оннан бираз қашықлаў жерге тиксин.
3Ушырасыў шатырының күншығыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Яҳуда ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Яҳуда урыўының көсеми – Амминадаб улы Нахшон. 4Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 74 600.
5Оның қасына Иссахар урыўы шатырларын тиксин. Иссахар урыўының көсеми – Суар улы Нетанел. 6Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 54 400.
7Зебулон урыўы да Яҳуда урыўының жанына шатырларын тиксин. Зебулон урыўының көсеми – Хелон улы Элиаб. 8Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 57 400.
9Яҳуда ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 186 400. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим биринши болып алдында жүрсин.
10Ушырасыў шатырының қубла тәрепинде орналасатуғын урыўлар Рубен ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур. 11Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 46 500.
12Оның қасына Шимон урыўы өз шатырларын тиксин. Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел. 13Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 59 300.
14Гад урыўы да Рубен урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф. 15Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 45 650.
16Рубен ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 151 450. Жолға шыққанда, усы үш урыўдан ибарат болған бөлим екинши болып жүрсин.
17Алдынғы еки орда менен кейинги еки орданың ортасында Ушырасыў шатыры ҳәм лебийлилердиң ордасы жолға шықсын. Ҳәр бир урыўдың орналасыў тәртиби қандай болса, жолға шыққанда да сондай болсын. Ҳәр бири өз байрағы астында өз орнында жүрсин.
18Ушырасыў шатырының батыс тәрепинде орналасатуғын урыўлар Эфрайым ордасының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама. 19Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 40 500.
20Оның қасына Менашше урыўы өз шатырларын тиксин. Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел. 21Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 32 200.
22Бенямин урыўы да Эфрайым урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан. 23Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 35 400.
24Эфрайым ордасының есабына кирген бөлимлердеги барлық ләшкерлердиң саны 108 100. Үшинши болып усылар жолға шықсын.
25Ушырасыў шатырының арқа тәрепинде орналасатуғын урыўлар Дан урыўының байрағы астында бөлимлерге бөлинип орналассын. Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер. 26Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 62 700.
27Оның қасына Ашер урыўы өз шатырларын тиксин. Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел. 28Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 41 500.
29Нафталий урыўы да Дан урыўының жанына өз шатырларын тиксин. Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира. 30Оның дизимнен өткен ләшкерлериниң саны 53 400.
31Дан ордасының есабына кирген барлық ләшкерлердиң саны топ-тобы менен 157 600. Олар өз байрақлары астында ең ақырында жолға шықсын.
32Солай етип, өз әўладлары бойынша есаптан өткен пүткил Израил халқы усылар еди. Ҳәр бир орданың бөлимлерге бөлинип, есаптан өткен барлық ләшкерлердиң саны менен 603 550. 33Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Лебий урыўы басқа израиллылар менен бирге есаптан өткерилмеди.
34Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. Олар өз байрақлары астында ордаларын қурды. Олардың ҳәр бири тийре ҳәм әўладлары бойынша орналасып, сол тәртипте жолға шығатуғын еди.

 

3

 

Лебийлилердиң хызметлери

 

1Жаратқан Ийе Синай таўында Муўса менен сөйлескенде, Харон менен Муўсаның урпақлары мыналардан ибарат еди:
2Харонның уллары: туңғышы Надаб, оннан кейингиси Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар. 3Май қуйылып, руўханийлик хызметке тайынланған Харонның уллары усылар еди. 4Бирақ Надаб пенен Абиҳу Синай шөлинде Жаратқан Ийениң алдында буйырылмаған от усынғаны ушын өлген еди. Олардың екеўи де перзентсиз еди. Сонлықтан Элазар менен Итамар әкеси Харонның қасында руўханийлик хызметин атқарды.
5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6– Руўханий Харонға жәрдем бериўи ушын Лебий урыўын шақырып, оларды хызметке қой. 7Олар Харон ҳәм пүткил жәмийет ушын Ушырасыў шатырында қараўыллық қылсын ҳәм ондағы барлық хызметти алып барсын. 8Олар израиллылар ушын Ушырасыў шатырында хызмет қылып, ондағы барлық буйымларға жуўапкер болсын. 9Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының хызметине тапсыр. Лебийлилер Израил халқының ишинде пүткиллей Харонның хызметине арналады. 10Руўханийлик хызметин атқарыўы ушын Харон менен улларын хызметке қой. Олардан басқа Мухаддес орынға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилсин.
11Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
12– Мине, Израил халқының қарыннан биринши шыққан улларының орнына лебийлилерди таңладым. Олар Маған тийисли. 13Өйткени барлық туңғышлар Маған тийисли. Мен Мысырда туңғышлардың ҳәммесин жоқ қылған күни, Израилдың барлық туңғышларын – адамның туңғышын, ҳайўанның биринши төлин Өзиме айырып алдым. Олар Маған тийисли. Себеби Мен – Жаратқан Ийемен.

 

Лебий урыўының дизимге алыныўы

 

14Жаратқан Ийе Муўсаға Синай шөлинде былай деди:
15– Лебий урыўын санақтан өткиз. Бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары ҳәм тийрелери бойынша есаплап шық.
16Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларды санап шықты.
17Лебийдиң улларының атлары мыналар: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий. 18Гершонның тийре басшылары болған уллары мыналар: Либний ҳәм Шимей. 19Қоҳаттың тийре басшылары болған уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел. 20Мерарийдиң тийре басшылары болған уллары: Махлий ҳәм Муший. Әўладлары бойынша Лебий тийрелери усылар.
21Гершоннан Либний ҳәм Шимей тийрелери келип шықты. 22Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 7500. 23Гершон тийрелери батыста, Шатырдың артқы тәрепинде орналасыўы керек еди. 24Гершон әўладының басшысы Лаел улы Элясаф еди. 25Гершонның урпағы Ушырасыў шатырының мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың ишки бөлими менен жапқышларына, шатырдың кирер аўзындағы пердеге, 26ҳәўли ҳәм қурбанлық орынды қоршап турған перделерге, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеге, арқанларға ҳәм буларға тийисли барлық хызметлерге.
27Қоҳаттан Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел тийрелери келип шықты. 28Олардағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 8600 еди. Олар Мухаддес шатырдың хызметине жуўапкер болды. 29Қоҳаттан келип шыққан тийрелер шатырдың қубла тәрепинде орналасыўы керек еди. 30Қоҳат әўладының басшысы Уззиел улы Элисафан еди. 31Қоҳат урпағы Келисим сандығына, столға, ҳәстеге, қурбанлық орын менен түтетки түтетилетуғын орынға, Мухаддес шатырдың буйымларына, Ең мухаддес бөлме менен Мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге ҳәм усыларға тийисли хызметлерге жуўапкер еди. 32Лебий урыўының басшыларының үстинен руўханий Харонның улы Элазар басшылық қылатуғын еди. Мухаддес шатырға жуўапкер адамлар оның бақлаўы астында болды.
33Мерарийден Махлий ҳәм Муший тийрелери келип шықты. 34Олардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өткен барлық еркеклериниң саны 6200. 35Мерарий әўладының басшысы Абихайыл улы Суриел еди. Мерарий тийрелери шатырдың арқа тәрепинде орналасыўы керек еди. 36-37Мерарий урпақлары шатырдың мына затлары ушын жуўапкер еди: шатырдың тахтайларына, қадаларына, бағанларына, ултанларына ҳәм буларға тийисли барлық затларға, шатырдың ҳәўлисиниң әтирапындағы бағанлары менен ултанларына ҳәм қазықлары менен арқанларына ҳәм буларға тийисли барлық хызметке.
38Муўса, Харон ҳәм оның уллары шатырдың шығысқа қараған алдынғы тәрепине, Ушырасыў шатырының алдында орналасатуғын еди. Олар израиллылар атынан Мухаддес мәканда хызмет қылыў ушын қойылған еди. Олардан басқа сол хызметти атқарыўға Мухаддес мәканға жақынлаған ҳәр бир адам өлтирилетуғын еди.
39Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық Лебий урыўын тийрелери бойынша бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды санап шыққанда, олардың улыўма саны 22 000 болды.

 

Лебий урыўының туңғыш уллардың орнын басыўы

 

40Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Израиллылардың бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы еркек туңғышларын санап шығып, оларды атпа-ат дизимге ал. 41Израиллылардың барлық туңғыш улларының орнына лебийлилерди, және де, израиллылардың ҳайўанларының биринши төллериниң орнына лебийлилердиң ҳайўанларын Маған айырып бер. Мен – Жаратқан Ийемен, – деди.
42Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип, израиллылардың барлық туңғыш улларын санап шықты. 43Атпа-ат есапқа алынған бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы туңғыш ер адамлар барлығы болып 22 273 болды.
44Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
45– Израиллылардың туңғыш улларының орнына лебийлилерди, ҳайўанларының орнына да лебийлилердиң ҳайўанларын айырып шығар. Лебийлилер Меники болады. Мен – Жаратқан Ийемен. 46Лебийлилердиң санынан артық шыққан 273 израиллы туңғыш ер адамлар ушын қун төлеп қайтып алыўы тийис. 47Ҳәр бир артық шыққан адам ушын бес шекел гүмистен ал. Ҳәр бир шекел гүмис бөлеклери Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан[1] болсын. 48Лебийлилердиң санынан артық шыққанлардан қун сыпатында алынатуғын гүмисти Харон менен улларына бер.
49Муўса лебийлилерден артық шыққан израиллыллардан қун төлеми сыпатында пул алғанда, 50бул Мухаддес орын өлшеми менен 1365 шекел гүмис[2] болды. 51Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, қунның төлемлерин Харон ҳәм оның улларына берди.

 

4

 

Қоҳат урпағының хызметлери

 

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2– Лебий урыўындағы Қоҳат урпағын тийре ҳәм әўладлары бойынша санап шық. 3Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги адамлардың ҳәммесин сана.
4Қоҳат урпағының жумысы Ушырасыў шатырындағы ең мухаддес буйымларға жуўапкершиликтен ибарат. 5Халық жолға шыққан ўақытта Харон менен уллары келип, ишки бөлмениң пердесин шешип алсын ҳәм оның менен Келисим сандығын жапсын. 6Кейин оның үстине жумсақ териден исленген жабыў жаўып, үстине және қызғыш көк жапқыш жапсын ҳәм сырықларын сандықтың ҳалқаларына жайластырсын.
7Усынылған нанлар қойылатуғын столдың үстине қызғыш көк реңли жапқыш жайып, үстине табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди қойсын. Столдың үстинде күнделикли усынылған нанлар да турсын. 8Булардың үстине қырмызы реңли жапқыш жаўып, кейин оны жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын, ал сырықларын столдың ҳалқаларына жайластырсын.
9Соннан соң шыра қойылатуғын ҳәстени, оның шыраларын, пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды ҳәм зәйтүн майы ушын қолланылатуғын ыдысларды қызғыш көк реңли жапқыш пенен жаўып орасын. 10Кейин буларды жумсақ тери менен орап, зәмбердиң үстине қойсын.
11Түтетки түтетилетуғын алтын орынның үстине қызғыш көк таўар жайып, оның үстин жумсақ бир тери менен қапласын ҳәм сырықларын алтын орынның ҳалқаларына жайластырсын. 12Мухаддес орында қолланылатуғын барлық буйымларды алып, оларды қызғыш көк жапқыш пенен орап, үстин жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын ҳәм кейин екинши зәмбердиң үстине қойсын.
13Қурбанлық орынды күлден тазалап, оны шым қызыл реңли жабыў менен жапсын. 14Соннан соң, хызмет ўақтында қолланылатуғын барлық буйымларды: шоқ салынатуғын ыдысларды, шанышқыны, күл алатуғын белшени, қан себетуғын табақларды қурбанлық орынның үстине қойып, жумсақ териден исленген жабыў менен жапсын ҳәм сырықларын қурбанлық орынның ҳалқаларына жайластырсын.
15Израил ордасы басқа жерге көшетуғын ўақытта, Харон менен оның уллары мухаддес буйымларды ҳәм буларға тийисли барлық затларды жыйнастырып, орап болғаннан соң, Қоҳат урпақлары келип, оларды көтерип алып жүрсин. Олар өлмеўи ушын мухаддес буйымларға қол тийгизбесин. Қоҳат урпағының Ушырасыў шатырындағы алып жүретуғын буйымлар усылардан ибарат.
16Руўханий Харон улы Элазар шыралар ушын зәйтүн майына, хош ийисли түтеткиге, күнделикли берилетуғын ғәлле садақасына ҳәм майлаў рәсимине қолланылатуғын зәйтүн майына, және де, шатырға ҳәм оның ишиндеги барлық мухаддес буйымлар менен буларға тийисли затларға жуўапкер болсын.
17Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
18– Қоҳат тийрелериниң лебийлилердиң арасынан жоқ болып кетиўине жол қоймаңлар. 19Олардың ең мухаддес затларға жақынласып, өлип қалмаўы ушын былай ислең: Харон менен оның уллары келип, Қоҳат урпағының ҳәр бириниң ислейтуғын хызметин ҳәм не алып жүретуғынын белгилесин. 20Бирақ Қоҳат урпағы азғантай ўақытқа болса да ишке кирип, мухаддес буйымларға қарамасын, болмаса олар өледи.

 

Гершон урпағының хызметлери

 

21Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
22– Гершон урпағын да әўладлары ҳәм тийрелери бойынша санақтан өткиз. 23Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана.
24Гершон тийрелериниң хызмети ҳәм жүк тасыў ўазыйпалары мыналардан ибарат: 25олар Ушырасыў шатырының ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, оның кирер аўзындағы пердени, 26шатыр менен қурбанлық орынды айлана дөгереклеп турған ҳәўлиниң перделерин, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени ҳәм арқанлар менен усыларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Усы затлар менен байланыслы жумыслардың ҳәммесин Гершон урпағы орынласын. 27Харон ҳәм оның уллары Гершон урпағының хызметин, жүклерди тасыўын ҳәм басқа да орынлайтуғын ўазыйпаларын шөлкемлестирсин. 28Гершон тийрелериниң Ушырасыў шатырындағы ислейтуғын жумыслары усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.

 

Мерарий урпағының хызметлери

 

29Енди Мерарий урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санақтан өткиз. 30Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана. 31Олар Ушырасыў шатырындағы жумыс барысында мыналарды орынлайды: шатырдың тахтайларын, қадаларын, бағанларын, ултанларын, 32шатырды дөгереклеп турған ҳәўлиниң бағанлары менен оның ултанларын, қазықларын, арқанларын ҳәм буларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Олардың ҳәр бирине не тасыйтуғынын анықлап, белгилеп бериң. 33Мерарий тийрелериниң Ушырасыў шатырына байланыслы хызмети усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.

 

Лебийлилердиң дизимге алыныўы

 

34Муўса, Харон ҳәм жәмийеттиң көсемлери Қоҳат урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты. 35Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды санап шыққанда, 36олардың саны 2750 адам болды. 37Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Қоҳат урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
38Гершон урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды. 39Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 40олардың саны 2630 адам болды. 41Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Гершон урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
42Мерарий урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды. 43Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 44олардың саны 3200 адам болды. 45Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Мерарий урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
46Солай етип, Муўса, Харон ҳәм Израилдың көсемлери лебийлилерди тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты. 47Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге ҳәм жүк тасыўға жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда, 48олардың улыўма саны 8580 адам болды. 49Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша олардың ҳәр бирине ислейтуғын хызмети ҳәм тасыйтуғын жүклери белгилеп берилди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша барлық адамлар дизимге алынды.

 

5

 

Жәмийеттиң пәклигин сақлаў

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына буйыр. Олар тери кеселлигине жолыққан, жынысый ағзасынан ириң яки қан бөлинип шыққан ямаса өлиге бир жерин тийгизип ҳарамланған ҳәр бир адамды ордадан сыртқа шығарып жиберсин. 3Еркек болсын, ҳаял болсын арасында Мен жасап атырған орданы ҳарамламаўы ушын, оларды орданың сыртына шығарып жиберсин.
4Израил халқы айтылғанларды орынлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай оларды орданың сыртына шығарып жиберди.

 

Гүна ушын төлем төлеў туўрысында

 

5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6– Израил халқына былай деп айт: Егер бир еркек ямаса ҳаял биреўге қарсы қандай да бир гүна ислеп, усы арқалы Жаратқан Ийеге қыянет етсе, ол адам айыплы саналады. 7Бундай адам ислеген гүнасын ашық мойынласын. Ол жәбир шеккен адамға келтирген зыяны ушын төлем төлесин, және де, оның үстине бестен бир бөлегин де қосып берсин. 8Егер де ол адам өлсе ҳәм оған берилетуғын төлемди алатуғын бирде бир жақын ағайини болмаса, онда сол төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, буны руўханийге берсин. Айыплы адам усы төлем менен бирге гүнадан тазаланыў ушын қурбанлыққа бир қошқар алып келсин. 9Израил халқының руўханийге алып келген мухаддес садақаларының барлығы руўханийге тийисли болсын. 10Руўханий қабыл қылған ҳәр бир садақа руўханийдиң өзине тийисли болсын.

 

Ҳаялынан гүманланған еркек ҳаққында

 

11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12– Израил халқына былай деп айт: Егер бир адамның ҳаялы жолдан азғырылып, күйеўине бийопалық қылса, 13басқа бир адам менен жатып, өзин ҳарамласа, буны күйеўинен жасырса ҳәм буған гүўа адам болмағанлығы себепли ҳаялдың ислегени жасырын болса, 14буған қарамастан, күйеўи ҳаялын қызғанып, оған қарсы жүрегинде гүман пайда болыўы мүмкин. Ямаса ҳаялы бийопалық қылмаса да, күйеўи оны қызғанып, жүрегинде оған қарсы гүман пайда болыўы мүмкин. 15Усындай жағдайларда ол адам ҳаялын руўханийге алып келсин. Ҳаялы ушын оннан бир эфа арпа унынан садақа алып келсин. Унның үстине зәйтүн майын ямаса хош ийисли шайыр қоспасын. Себеби бул – айыпты еслетиў ушын берилетуғын қызғаныў садақасы.
16Руўханий ҳаялды алып келип, Жаратқан Ийениң алдына турғызсын. 17Кейин ылайдан исленген ыдысқа мухаддес суў қуйсын ҳәм Мухаддес шатырдың ишиндеги жерден топырақ алып, суўға салсын. 18Руўханий сол ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызғаннан соң, оның шашын жайсын, еслетиў садақасын, яғный қызғаныў садақасын оның қолына услатсын. Руўханийдиң өзи нәлет келтиретуғын ашшы суўды қолына услап турсын. 19Соннан соң, ол ҳаялға нәлетти тастыйықлатып, оған былай деп айтсын: «Егер сен басқа бир еркек пенен жатпаған болсаң, күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, өзиңди ҳарамламаған болсаң, онда нәлет алып келетуғын мына суў саған зыянын тийгизбесин. 20Бирақ күйеўиң бола тура жолдан азғырылып, басқа бир еркек пенен жатып, өзиңди ҳарамлаған болсаң, 21онда адамлар биреўди нәлетлегенде, Жаратқан Ийе сениң атыңды нәлетке қосып айтатуғын қылсын ҳәм қурсағың зыянланып, бийперзент қылсын. 22Нәлет келтиретуғын бул суў ишиңе барғанда, қурсағың зыянланып, бала туўа алмайтуғын қылсын».
Сонда ҳаял: «Аўмийин, аўмийин», – деп айтсын.
23Руўханий бул нәлетлерди бир бөлек териге жазып, оны ашшы суўға шайсын. 24Нәлет келтиретуғын суўды ҳаялға ишкизсин. Суў ҳаялдың ишине киргеннен соң, оған азап берсин. 25Руўханий сол ҳаялдың қолынан қызғаныў садақасын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынғаннан соң, садақаны қурбанлық орынға алып келсин. 26Руўханий ғәлле садақасынан бир уўыс алып, оны толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Кейин ҳаялға суўды ишкизсин. 27Егер ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамлаған болса, нәлет алып келетуғын суўды ишкенде, оған азап береди. Суў оның қарнын исирип, туўмайтуғын қылып таслайды ҳәм ол халқы арасында нәлетий болып қалады. 28Бирақ ҳаял өзин ҳарамламаған ҳәм пәк болса, ол өзине тағылған айыптан қутылады ҳәм бала көтеретуғын болады.
29Қызғаншақлық ҳаққында қағыйдалар усылардан ибарат. Егер бир ҳаял күйеўине бийопалық қылып, өзин ҳарамласа, 30ямаса күйеўинде ҳаялына деген қызғаныш ҳәм жүрегинде оған қарсы гүман пайда болса, онда руўханий ҳаялды Жаратқан Ийениң алдына турғызып, усы нызам бойынша ис тутсын. 31Сонда күйеўи ҳәр қандай айыптан қутылады, ҳаял болса, ислеген айыбының жазасын тартады.

 

6

 

Жаратқан Ийеге бағышланыў

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Егер еркек ямаса ҳаял айрықша ўәде берип, өзин нәзир сыпатында Жаратқан Ийеге бағышласа, 3ол шараптан ҳәм ҳәр қандай өткир ишимликтен өзин тыйсын. Жүзимнен ямаса басқа өткир ишимликлерден исленген сирке суўынан ишпесин. Жүзимнен таярланған ширели суўдан ишпесин. Жүзим де, кишмиш те жемесин. 4Ол Жаратқан Ийеге бағышланған дәўиринде жүзимнен таярланған ҳеш нәрсе жемесин, ҳәттеки, жүзимниң дәнесинен қабығына дейин аўзына улыўма алмасын.
5Нәзир сыпатында бағышланған дәўиринде басына ҳеш қандай пәки тиймесин. Ол өзин Жаратқан Ийеге арнаған дәўириниң ақырына дейин мухаддес болсын, шашын өсирсин. 6Сол күнлер даўамында өлиге жақынламасын. 7Ҳәттеки, оның анасы, әкеси, аға-иниси ямаса әжапа-қарындасы қайтыс болса да, олар себепли өзин ҳарамламасын. Өйткени оның басындағы шашы – өзин нәзир сыпатында Қудайға бағышлағанының белгиси. 8Ол нәзир болған дәўиринде Жаратқан Ийеге бағышланған болады.
9Егер оның жанында тосаттан биреў қайтыс болып қалса, онда ол адамның бағышланған шашы ҳарамланады. Сол себепли нәзир болған адам өзин пәклеў ушын жети күннен кейин шашын алдырып тасласын. 10Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелип, Ушырасыў шатырының алдында руўханийге берсин. 11Руўханий булардың биреўин гүна қурбанлығы етип, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Солай етип, өли себепли айыплы болған сол адам ушын пәклеў рәсими өткерилсин. Сол күни ол өз басын қайтадан бағышласын. 12Ол ҳарамланғанлығы себепли оның алдынғы бағышланған күнлери есапқа алынбайды. Сонлықтан, айып қурбанлығы ушын бир жасар еркек тоқлы усынып, Жаратқан Ийеге өзин қайтадан бағышлаўы тийис.
13Нәзир болған адамға арналған қағыйда мыналардан ибарат: оның бағышланыў күнлери тамам болғанда, ол Ушырасыў шатырының алдына алып келинсин. 14Усы жерде ол Жаратқан Ийеге мына қурбанлықларды усынсын: жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз бир еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын бир жасар минсиз бир қой, татыўлық қурбанлығы ушын минсиз бир қошқар, 15ғәлле садақасы ҳәм ишимлик садақалары менен бирге бир себет ашытқысыз нанлар – сапалы уннан зәйтүн майы қосылған шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер.
16Руўханий буларды гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынсын. 17Кейин қошқарды ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығы етип усынсын. Сондай-ақ, себеттеги ашытқысыз нанларды да усынсын.
18Соннан соң, нәзир болған адам Ушырасыў шатырының алдында бағышланған шашын алдырып, шашын татыўлық қурбанлығы жандырылып атырған отқа жағып жиберсин.
19Нәзир болған адам шашын алдырғаннан соң, руўханий қошқардың қайнатылған алдынғы бир санын, себеттен ашытқысыз бир нанды ҳәм пәтирди оның қолына услатсын. 20Кейин руўханий буларды Жаратқан Ийеге бағышлаў ушын жоқары көтерип усынсын. Булар жоқары көтерип усынылған төс ҳәм артқы сан менен бирге мухаддес болып, руўханийдиң пайы саналады. Соннан кейин нәзир болған адам шарап ишиўине болады.
21Ўәде берип, нәзир сыпатында бағышланған адам ушын қағыйдалар усылардан ибарат. Ол усы қағыйдаларға муўапық Жаратқан Ийеге қурбанлықларын берсин. Соның менен бирге, қолынан келгенинше оннан да көбирегин бериўине болады. Ол ўәде бергениндей етип ҳәм бағышланыў қағыйдаларына муўапық түрде анық орынлаў керек.

 

Руўханийдиң ақ пәтиясы

 

22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23– Харон менен оның улларына былай деп айт: Израил халқына ақ пәтия бергениңизде, оларға былай деп айтың:

 

 

24«Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын, қорғасын!
25Жаратқан Ийе сизлерге Өз нурын төксин, реҳимли болсын!
26Жаратқан Ийе сизлерге Өз нәзерин салсын ҳәм тынышлығын берсин!»

 

 

27Солай етип, руўханийлер атымды айтып, Израил халқына ақ пәтия берсин. Сонда Мен де оларды жарылқайман.

 

7

 

Басшылардың Жаратқан Ийеге берген садақалары

 

1Муўса Шатырды тигип болғаннан соң, Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын, және де, қурбанлық орынды ҳәм оған тийисли барлық буйымларын майлаў рәсиминен өткерип, бағышлады. 2Кейин Израилдың көсемлери, дизимге алыў ўазыйпасын алып барған әўлад ҳәм урыў басшылары өз сыйларын алып келди. 3Олардың Жаратқан Ийеге алып келген сыйлары үсти бастырылған алты арба ҳәм он еки өгизден ибарат еди. Ҳәр бир көсем бир өгизден ҳәм ҳәр бир еки көсем бир арбадан алып келген еди. Көсемлер бул сыйларын шатырдың алдына әкелип қойды.
4Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
5– Бул сыйларды олардан қабыл етип ал. Буларды Ушырасыў шатырындағы хызметлерде қолланың. Лебийлилердиң ислейтуғын хызметлерине қарап, буларды оларға бөлип бер.
6Сонда Муўса арба ҳәм өгизлерди алып, лебийлилерге бөлистирип берди. 7Ислейтуғын хызметлери бойынша Гершон урпағына еки арба менен төрт өгиз, 8Мерарий урпағына төрт арба менен сегиз өгиз берди. Мерарий ҳәм Гершон урпақлары руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында хызмет қылатуғын еди. 9Қоҳат урпағына болса, ҳеш нәрсе бермеди. Себеби олардың ислейтуғын хызмети мухаддес буйымларды ийнинде көтерип, алып жүриў еди.
10Қурбанлық орын майланып, бағышланған ўақытта, көсемлер өзлериниң басқа сыйларын алып келди ҳәм буларды орынның алдына әкелип қойды. 11Бул ҳаққында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Қурбанлық орынның бағышланыўы ушын ҳәр күни бир көсем өзиниң сыйын усынсын», – деген еди.
12Биринши күни Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон сыйларын усынды. 13Оның әкелген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 14Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 15жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар, бир жасар еркек тоқлы, 16гүна қурбанлығы ушын бир теке, 17татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке, ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Амминадаб улы Нахшонның алып келген сыйлары усылар еди.
18Екинши күни Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел сыйларын усынды. 19Оның алып келген сыйлары мыналар еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 20Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 21жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы, 22гүна қурбанлығы ушын бир теке, 23татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суар улы Нетанелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
24Үшинши күни Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб сыйларын усынды. 25Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 26Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 27жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 28Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 29татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Хелон улы Элиабтың алып келген сыйлары усылар еди.
30Төртинши күни Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур сыйларын усынды. 31Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 32Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 33жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 34Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 35татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Шедеур улы Элисурдың алып келген сыйлары усылар еди.
36Бесинши күни Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел сыйларын усынды. 37Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 38Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 39жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 40Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 41татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суришаддай улы Шелумиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
42Алтыншы күни Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф сыйларын алып келди. 43Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 44Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 45жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 46Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 47татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Деўел улы Элясафтың алып келген сыйлары усылар еди.
48Жетинши күни Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама сыйларын усынды. 49Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 50Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 51жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 52Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 53татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммиҳуд улы Элишаманың алып келген сыйлары усылар еди.
54Сегизинши күни Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел сыйларын усынды. 55Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 56Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 57жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 58Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 59татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Педасур улы Гамалиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
60Тоғызыншы күни Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан сыйларын усынды. 61Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди. 62Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 63жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 64Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 65татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Гидоний улы Абиданның алып келген сыйлары усылар еди.
66Оныншы күни Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер сыйларын усынды. 67Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 68Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 69жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 70Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 71татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммишаддай улы Ахиезердиң алып келген сыйлары усылар еди.
72Он биринши күни Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел сыйларын усынды. 73Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 74Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 75жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 76Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 77татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Охран улы Пагиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
78Он екинши күни Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира сыйларын усынды. 79Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди. 80Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған, 81жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы. 82Гүна қурбанлығы ушын бир теке, 83татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Энан улы Ахираның алып келген сыйлары усылар еди.
84Солай етип, қурбанлық орын майланған ўақытта, Израил көсемлериниң орынды бағышлаў ушын алып келген сыйлары мыналар еди: он еки гүмис жалпақ табақ, он еки гүмис қырма, он еки алтын тостаған. 85Ҳәр бир гүмис жалпақ табақтың аўырлығы 130 шекелден, ҳәр бир қырманың аўырлығы 70 шекелден еди. Мухаддес орын өлшеми менен гүмис ыдыслардың барлығының аўырлығы 2400 шекел болды. 86Түтетки толтырылған он еки алтын тостағанның ҳәр бириниң аўырлығы мухаддес орын өлшеминде 10 шекел еди. Барлық алтын тостағанлардың аўырлығы 120 шекел болды. 87Жандырылатуғын қурбанлық ушын ғәлле садақасы менен бирге усынылған ҳайўанлардың саны он еки буға, он еки қошқар ҳәм бир жасардан болған он еки еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын да он еки теке. 88Татыўлық қурбанлығы ушын усынылған ҳайўанлардың саны жигирма төрт буға, алпыс қошқар, алпыс теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған алпыс еркек тоқлы еди. Қурбанлық орын майланғаннан соң, орынның бағышланыўы ушын берилген сыйлар усылар еди.
89Муўса Жаратқан Ийе менен сөйлесиў ушын Ушырасыў шатырына киргенде, Келисим сандығының қақпағының үстиндеги еки Керуб арасынан өзине сөйлеген даўысты еситетуғын еди. Жаратқан Ийе Муўса менен усы тәризде сөйлесетуғын еди.

 

8

 

Шыралардың орнатылыўы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Харонға айт, ол жети шыраны ҳәстеге орнатқанда, ҳәстениң алдынғы тәрепине жақтылық түсип туратуғын қылып орнатсын.
3Харон айтылғандай етип иследи. Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, шыраларды ҳәстениң алдынғы тәрепине жақты түсетуғын қылып орналастырды. 4Ҳәсте Жаратқан Ийениң Муўсаға көрсеткен үлгиси бойынша, ултанынан баслап, гүллерине дейин алтыннан шөккишлеп исленген еди.

 

Лебийлилердиң бағышланып, хызметке қойылыўы

 

5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6– Лебийлилерди Израил халқының арасынан айырып алып, оларды пәклеў рәсиминен өткиз. 7Оларды пәклеў ушын былай ислейсең: пәклейтуғын суўды олардың үстине серп. Олар шашлары менен барлық жүнлерин қырып тасласын ҳәм кийимлерин жуўсын. Усылайынша, олар пәк болады. 8Кейин олар бир буға менен ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы ун алып келсин. Гүна қурбанлығы ушын сен де басқа бир буға алып кел. 9Лебийлилерди Ушырасыў шатырының алдына алып келип, барлық Израил жәмийетин жыйна. 10Лебийлилерди Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма әкелгениңде, израиллылар олардың үстине қолларын қойсын. 11Жаратқан Ийеге, яғный Маған хызмет етиўи ушын, Харон израиллылардың арасынан лебийлилерди садақа сыпатында Маған бағышласын.
12Лебийлилер қолларын буғалардың басына қойсын ҳәм олардың гүналары кеширилиўи ушын, буғалардың биреўи гүна қурбанлығы ушын, екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынылсын. 13Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының алдында турғыз. Оларды садақа сыпатында Жаратқан Ийеге, Маған бағышла. 14Лебийлилерди басқа израиллылардың арасынан усы тәризде бөлип ал. Лебийлилер Маған тийисли болады.
15Сен лебийлилерди пәклеп, садақа сыпатында бағышлағаннан соң, олар Ушырасыў шатырындағы хызметин баслаўына болады. 16Израиллылар арасында лебийлилер толығы менен Маған тийисли. Себеби қарыннан биринши шыққан барлық уллардың орнына оларды Өзиме таңлап алдым. 17Израил халқының арасындағы барлық биринши туўылғанлар адам болсын, ҳайўан болсын – олар Меники. Өйткени Мен Мысырда биринши туўылғанларды жоқ қылған күни, оларды Өзиме айырып алдым. 18Солай етип, Израил халқында барлық биринши туўылған уллардың орнына лебийлилерди таңладым. 19Израиллылар Мухаддес орынға жақынласып, бәлеге дуўшар болмаўы ушын, олардың орнына Ушырасыў шатырындағы хызметти ислеп, израиллылардың гүналарын тазалаў ушын, лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының қолларына тапсырдым.
20Муўса, Харон ҳәм пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң лебийлилерге байланыслы Муўсаға берген ҳәр бир буйрығын толығы менен орынлады. 21Лебийлилер өзлерин пәклеп, кийимлерин жуўды. Харон оларды Жаратқан Ийениң алдында арнаўлы түрде бағышлады ҳәм оларды тазалаў ушын, гүналарынан пәкледи. 22Буннан соң, лебийлилер Харон ҳәм оның улларының қол астында Ушырасыў шатырындағы өзлерине тийисли хызметлерин орынлаўға келди. Солай етип, Жаратқан Ийе лебийлилерге тийисли Муўсаға қандай буйрық берген болса, Израил халқы сол буйрықларды орынлады.
23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24– Лебийлилерге тийисли қағыйда мынадай: Жигирма бес ҳәм оннан жоқары жастағылар Ушырасыў шатырындағы хызметин басласын. 25Ал елиў жасқа келгенде, сол хызметинен босап, артық хызметте болмасын. 26Хызметтен босаған лебийлилер Ушырасыў шатырында хызмет етип атырған туўысқанларына жәрдем бериўине болады, бирақ өзлери артық хызмет ислемесин. Лебийлилердиң ўазыйпаларын усылайынша белгилеп бер.

 

9

 

Қутқарылыў байрамына байланыслы нызамлар

 

1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың биринши айында Жаратқан Ийе Синай шөлинде Муўсаға былай деди:
2– Израиллылар Қутқарылыў байрамын белгиленген ўақытта байрамласын. 3Барлық нызам ҳәм қағыйдаларға әмел қылып, қурбанлықты белгиленген ўақытта, усы айдың он төртинши күни кеште шалсын.
4Солай етип, Муўса израиллыларға Қутқарылыў байрамын белгилеўди буйырды. 5Олар Синай шөлинде биринши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын белгиледи. Олар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.
6Ал өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған базы адамлар сол күни Қутқарылыў байрамында қатнаса алмады. Сол күни олар Муўса менен Харонның алдына келип, 7Муўсаға былай деди:
– Өлиге жантасқанымыз ушын ҳарам саналамыз. Бирақ белгиленген ўақытта басқа израиллылар менен бирге Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықты не ушын усына алмаймыз?
8Муўса:
– Күтиң, Жаратқан Ийениң сизлер туўралы маған не буйыратуғынын тыңлап көрейин, – деди.
9Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10– Израиллыларға былай деп айт: Араңызда бириңиз ямаса әўладыңыздан биреўи өлиге бир жерин тийгизгени ушын ҳарам саналса ямаса биреўи узақ сапарға кетсе, ондай адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын нышанлаўына болады. 11Бундай адамлар екинши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў қурбанлығын шалып, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин. 12Таңға дейин қурбанлықтың гөшинен бир түйир де қалмасын, сүйеклери сындырылмасын. Қутқарылыў байрамын барлық қағыйдалар бойынша белгилеўиңиз тийис. 13Бирақ пәк саналған ҳәм узақ сапарда болмаған адам Қутқарылыў байрамына қатнасыўдан бас тартса, ол белгиленген ўақытта Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық бермегени ушын халқының арасынан жоқ қылынсын. Солай етип, ол өз гүнасының жазасын тартады.
14Араңызда жасап атырған келгинди бир адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамына қатнасыўды қәлесе, ол байрамның нызам ҳәм қағыйдаларына әмел қылсын. Жергиликли болсын, келгинди болсын, ҳәмме ушын усы нызамды қолланыўыңыз тийис.

 

Мухаддес шатыр үстиндеги булт

 

15Мухаддес шатыр, яғный буйрықлар қойылған шатыр тикленген күни оның үстин булт қаплады. Мухаддес шатырды қаплаған булт кештен азанға дейин от сыяқлы болып туратуғын еди. 16Бул аўҳал ҳәр күни даўам етти. Мухаддес шатырды қаплаған булт кеште от сыяқлы болып туратуғын еди.
17Булт шатырдан жоқары көтерилгенде, Израил халқы жолға шығатуғын еди. Булт қай жерде тоқтаса, олар сол жерде тоқтайтуғын еди. 18Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шығып, Оның буйрығы бойынша тоқтап, шатырларын тигетуғын еди. Булт Мухаддес шатырды қаплап турған ўақытта, олар да сол жерде туратуғын еди. 19Булт Мухаддес шатырды узақ ўақыт қаплап турғанда, Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығына әмел қылып, жолға шықпайтуғын еди. 20Базыда булт Мухаддес шатырды азғантай күн қаплап туратуғын еди. Халық та Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, я қоныс басқан жерде қалатуғын, ямаса көшетуғын еди. 21Базы ўақытлары булт тек ғана кештен азанға дейин турып, азанда Мухаддес шатырдан көтерилетуғын еди. Сонда халық жолға шығатуғын еди. Түнде болсын, күндиз болсын, булт шатырдан көтерилиўден, халық жолға шығатуғын еди. 22Булт Мухаддес шатырды еки күн, бир ай ямаса узақ ўақыт қаплап турса да, израиллылар қоныс басқан жеринде қалып, жолға шықпайтуғын еди. Бирақ булт жоқары көтерилиўден, олар жолға шығатуғын еди. 23Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша қоныс басатуғын ямаса жолға шығатуғын еди. Усылай етип, олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығына әмел қылды.

 

10

 

Гүмис кәрнайлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Гүмистен еки кәрнай шөккишлеп соқтыр, буларды жәмийетти жыйнаў ушын ҳәм ҳәр бир орданың жолға шығыўы ушын қолланасаң. 3Еки кәрнай бирге шертилген ўақытта, барлық жәмийет сениң қасыңа, Ушырасыў шатырының алдына жыйналсын. 4Тек ғана бир кәрнай шертилсе, онда көсемлер, яғный Израилдың әўлад басшылары сениң жаныңа жыйналсын. 5Кәрнай қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, шығыс тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. 6Екинши мәрте қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, қубла тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. Кәрнайдың қысқа-қысқа етип шертилиўи урыўлардың жолға шығыўы кереклигин билдиреди. 7Жәмийетти жыйнаў ушын кәрнайды узақ ўақыт әпиўайы даўыс пенен шерттир. 8Кәрнайларды Харонның руўханий уллары шертсин. Бул сизлер ҳәм келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
9Үлкеңизде сизлерге ҳүжим қылған душпанға қарсы саўашқа шыққаныңызда, кәрнай шертип, белги бериң. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен сизлерди еслеп, душпанларыңыздан қутқараман. 10Шадлы күнлериңизде – байрамларыңызда, Жаңа ай байрамларыңызда, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлар бергениңизде кәрнай шертиң. Усылай етип, Қудайыңыз болған Мен сизлерди еслеймен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

 

Израиллылардың Синайдан кетиўи

 

11Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин екинши жылдың екинши айының жигирмаланшы күни булт буйрықлар қойылған шатырдан жоқары көтерилди. 12Сонда израиллылар да Синай шөлинен жолға шығып, булт Паран шөлинде тоқтағанша көшип-қонып жүрди. 13Олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша жолға биринши мәрте шықты.
14Олар ҳәр сапары жолға шыққанда, ҳәр бир орда өз байрағы астында бир тәртипте жүретуғын еди. Биринши болып, Амминадаб улы Нахшон басшылығындағы Яҳуда ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында көшти баслап жүрди. 15Иссахар урыўы бөлимине Суар улы Нетанел, 16Зебулон урыўы бөлимине Хелон улы Элиаб басшылық қылатуғын еди. 17Соннан кейин, Мухаддес шатыр жыйнастырылып, оны көтерип, алып жүретуғын Гершон урпағы менен Мерарий урпағы жолға шықты.
18Олардан соң Шедеур улы Элисур басшылығындағы Рубен ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. 19Шимон урыўы бөлимине Суришаддай улы Шелумиел, 20Гад урыўы бөлимине Деўел улы Элясаф басшылық қылатуғын еди. 21Оннан кейин Қоҳат урпағы мухаддес буйымларды көтерип, жолға шықты. Олар белгиленген жерге жетип бараман дегенше, Мухаддес шатыр қурылып болыныўы тийис еди.
22Аммиҳуд улы Элишама басшылығындағы Эфрайым ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. 23Менашше урыўы бөлимине Педасур улы Гамалиел, 24Бенямин урыўы бөлимине Гидоний улы Абидан басшылық қылатуғын еди.
25Көштиң ең ақырында Аммишаддай улы Ахиезер басшылығындағы Дан ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. Олар Израил ордаларының артқы сақшылары еди. 26Ашер урыўы бөлимине Охран улы Пагиел, 27Нафталий урыўы бөлимине Энан улы Ахира басшылық қылатуғын еди. 28Израиллылар бөлимлерге бөлинип, усы тәртипте жолға шығатуғын еди.
29Муўса мидянлы қәйин атасы Реуелдиң баласы Хобабқа былай деди:
– Жаратқан Ийениң: «Сизлерге беремен», – деген жерине баратырмыз. Сиз де бизлер менен бирге барың, сизге жақсы қатнаста боламыз. Өйткени Жаратқан Ийе Израилға жақсылық етиўди ўәде қылды.
30Хобаб оған:
– Яқ, бармайман. Өз елиме, ағайин-туўғанларымның жанына қайтаман, – деп жуўап берди.
31Муўса оған былай деди:
– Илтимас, бизлерди таслап кетпең. Себеби сиз шөлде қоныслайтуғын жерлерди билесиз. Бизлерге жол көрсетесиз. 32Егер бизлер менен бирге барсаңыз, Жаратқан Ийениң ислейтуғын барлық жақсылықларын сиз бенен де бөлисемиз.
33Израиллылар Жаратқан Ийениң таўынан шығып, үш күнлик жол жүрди. Қоныслайтуғын жерди табыў ушын Жаратқан Ийениң Келисим сандығы олардың алдында жүрип барды. 34Қоныс басқан жерден жолға шыққанда, Жаратқан Ийениң булты күн бойы олардың үстинде болды.
35Келисим сандығы жолға шыққанда, Муўса былай деп айтатуғын еди:

 

 

«О, Жаратқан Ийе, тур!
Тарап кетсин душпанларың жән-жаққа,
Сени жек көретуғынлар алдыңнан қашып кетсин!»

 

 

36Келисим сандығы тоқтағанда болса, Муўса былай деп айтатуғын еди:

 

 

«Қайт, о, мың-мыңлаған Израил халқының Жаратқан Ийеси!»

 

11

 

Халықтың налыўы

 

1Сол ўақытлары халық қатты налый баслады. Жаратқан Ийе буны еситип, ғәзепленди ҳәм оларға от жиберип, орданың шетлерин жағып жоқ қылып жиберди. 2Сонда халық Муўсаға жалбарынды. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, от сөнди. 3Жаратқан Ийениң жиберген оты олардың арасында жанғаны ушын, сол жер Табера[3] деп аталды.
4Израил халқының арасындағы басқа миллетлерден топланған тәртипсиз адамлар нәпсиқаўлыққа бериле баслады. Израиллылар да оларға қосылып, былай деп зарлай баслады: «Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди! 5Мысырда тегинге жеген балық, қыяр, ғарбыз, көк пияз, домалақ пияз ҳәм сарымсақлар еле ядымызда. 6Енди болса, диңкемиз қурыған. Мына маннадан басқа жейтуғын ҳеш нәрсе көргенимиз жоқ».
7Манна кинза туқымындай болып, реңи ақшыл сары еди. 8Халық далаға шығып, оны жыйнап алатуғын еди ҳәм оны дигирманға тартып ямаса келиге түйетуғын еди. Оны қазанда қайнатып, гүлше нан писиретуғын еди. Буның дәми зәйтүн майы қосылған нанға уқсас еди. 9Түнде ордаға шық түскенде, манна да бирге жаўатуғын еди.
10Муўса халықтың, ҳәр бир тийредеги адамлардың өз шатырларының алдында турып, дад салып атырғанын еситти. Жаратқан Ийе буған қатты ғәзепленди. Муўса да буған қапа болған еди. 11Сонда Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
– Қулыңа не ушын бундай жаманлықты раўа көрдиң? Не ушын Өз мийримиңди меннен аяп, бул халықтың жүгин маған жүкледиң? 12Пүткил бул халыққа жүкли болған мен бе едим? Оларды мен туўған ба едим? Болмаса, не себептен Сен маған: «Бала бағыўшының емизиўли баланы алып жүргениндей, оларды ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге қолларыңда көтерип алып бар», – деп айтып атырсаң? 13Бул халықтың барлығына беретуғын гөшти қай жерден аламан? Олар маған: «Бизлерге жейтуғын гөш бер», – деп қоймай атыр. 14Бул халықтың барлығын бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби олар мен ушын аўыр жүк болады. 15Егер маған усылай ислемекши болсаң, онда мени өлтир. Егер де Сениң мийримиңе ерискен болсам, онда басыма түскен бул аўырманлықты көрмейин.
16Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Маған Израил ақсақалларынан жетпис адамды жыйнап бер. Олар өзиң басшы ҳәм қадағалаўшы деп тән алғанларыңнан болсын. Оларды Ушырасыў шатырына алып келип, өзиңниң қасыңа турғыз. 17Мен төмен түсип, сениң менен сөйлесемен. Сениң үстиңдеги Руўхтан алып, оларға да беремен. Халықтың жүгин тек ғана сен көтермеўиң ушын, олар саған жәрдем береди.
18Халыққа былай деп айт: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклең, гөш жейсизлер. Сизлердиң: „Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди, Мысырда болған ўақтымызда жақсы еди“, – деп налып, дад салғаныңызды Жаратқан Ийе еситти. Енди гөш жеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе сизлерге гөш береди. 19Гөшти тек ғана бир күн, еки күн, бес күн, он күн ямаса жигирма күн емес, 20ал бир ай даўамында алқымыңызға келгенше, кеўлиңиз айнығанша жейсизлер. Себеби сизлер араңызда болып атырған Жаратқан Ийеден жүз бурдыңлар. Оның алдында Мысырдан не ушын шығып кеттик, деп налып, жыладыңлар».
21Сонда Муўса:
– Қасымдағы бул халық алты жүз мың ер адамнан ибарат. Ал Сен: «Бул халыққа бир ай даўамында жеўи ушын гөш беремен», – деп атырсаң. 22Барлық қой-ешки, сыйырлар сойылса да, теңиздеги барлық балықлар аўланса да, оларға жетер ме екен? – деди.
23Жаратқан Ийе оған:
– Мениң қолым келте ме? Саған айтқанларым орынланатуғынын ямаса орынланбайтуғынын өз көзиң менен көресең, – деди.
24Соннан кейин, Муўса сыртқа шығып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын халыққа жеткерди. Халықтың жетпис ақсақалын жыйнап, Мухаддес шатырдың дөгерегине жайластырды. 25Сонда Жаратқан Ийе булт ишинде түсип, Муўса менен сөйлести ҳәм Муўсаның үстиндеги Руўхтан алып, жетпис ақсақалға берди. Олар Руўхты алған ўақытта, Руўхтан илҳамланып кетти. Бирақ буннан соң, бул жағдай басқа тәкирарланбады.
26Сайланған жетпис ақсақалдың ишинде болған Элдад пенен Медад деген еки адам ордада қалып, Мухаддес шатырға келмей қалған еди. Бирақ Руўх олардың үстине түсип келип, олар да ордада Руўхтан илҳамланып баслаған еди. 27Буны көрген бир жас бала Муўсаға жуўырып келип: «Элдад пенен Медад ордада Руўхтан илҳамланып атыр», – деп хабар жеткерди.
28Жас ўақтынан Муўсаға жәрдемши болып киятырған Нун улы Ешуа:
– Оҳ, мырзам Муўса, оларды тыйып қой! – деди.
29Бирақ Муўса:
– Сен мениң ушын қызғанып атырсаң ба? Қәне енди, Жаратқан Ийениң пүткил халқы пайғамбар болса, Жаратқан Ийе олардың үстине Өз Руўхын жиберсе еди! – деди. 30Соннан соң, Муўса менен Израилдың ақсақаллары ордаға қайтып келди.

 

Жаратқан Ийениң бөденелерди жибериўи

 

31Жаратқан Ийе даўыл жиберди. Даўыл теңизден бөденелерди ушырып әкелип, орданың ҳәр тәрепине үйип таслады. Бөденелер ордадан бир күнлик жол узақлыққа дейин, жерден еки шығанақ бийикликке түсип, ушып жүрген еди. 32Сол күни халық күни менен, түни менен ҳәм ертеңине кешке дейин бөдене жыйнады. Олардың ҳеш бири он хомерден[4] аз жыйнамады. Бөденелерди кептириў ушын, оларды шатырларының дөгерегине жайып қойды. 33Бирақ халық гөшти еле аўзына алып, жеўге үлгермей-ақ, Жаратқан Ийе ғәзепленип, оларды күшли бир оба менен жазалады. 34Сонлықтан сол жер Киброт-Ҳаттааўа[5] аты берилди. Өйткени ол жерге нәпсин тыя алмаған адамлар жерленген еди.
35Халық Киброт-Ҳаттааўадан Хасеротқа көшип, сол жерде қалды.

 

12

 

Мәриям менен Харонның жазаланыўы

 

1Муўса Куш жеринен болған ҳаялға үйленгени ушын, Мәриям менен Харон оған қарсы сөйледи. 2Олар: «Жаратқан Ийе тек ғана Муўса арқалы сөйлеген бе еди? Ол бизлер арқалы да сөйлеген жоқ па еди?» – деди. Жаратқан Ийе олардың бул сөзлерин еситти.
3Муўса жер жүзинде жасайтуғын барлық адамлардың ишинде ең кишипейил адам еди.
4Жаратқан Ийе күтилмегенде Муўса, Харон ҳәм Мәриямға:
– Үшеўиңиз Ушырасыў шатырына барың, – деди. Үшеўи де шатырға барды. 5Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде түсип, шатырдың кирер аўзында турды ҳәм Харон менен Мәриямды шақырып алды. Олар екеўи алдыға қарай шыққанда, 6Жаратқан Ийе оларға былай деди:
– Мениң сөзлериме қулақ салың:

 

 

Егер араңызда бир пайғамбар бар болса,
Мен, Жаратқан Ийе Өзимди танытаман оған аян арқалы,
Сөйлесемен оның менен түсинде.
7Бирақ қулым Муўса менен булай сөйлеспеймен,
Пүткил үйимдегилерге жуўапкер адам – Муўсадур.
8Оның менен жумбақлы түрде емес,
Ал жүзбе-жүз сөйлесемен ашық түрде.
Ол Мениң бийнемди көреди.

 

 

Сондай болса да, қулым Муўсаға қарсы сөйлеўден қорқпадыңлар ма?
9Сонда Жаратқан Ийе оларға ғәзеплениўи менен, ол жерден кетти.
10Булт Мухаддес шатырдан кетиўден-ақ, Мәриям тери кеселлигине шалынып, етлери қар сыяқлы түлеп кетти. Харон Мәриямға бурылып қарағанда, оның тери кеселлигине шалынғанын көрди. 11Харон Муўсаға:
– Оҳ, мырзам, илтимас ақылсызлық қылып, ислеген гүнамыз ушын жазалама. 12Мәриям анасының қарнында-ақ денеси ширип баслаған өли нәрестеге уқсап қалмасын, – деди.
13Муўса Жаратқан Ийеге:
– Оҳ, Қудай, Мәриямға шыпа бер! – деп жалбарынды.
14Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Егер оның әкеси жүзине түкиргенде, ол жети күн даўамында шерменде болып қалмас па еди? Оны жети күн даўамында бөлеклеп, ордадан шығарып жибериң, соннан кейин изине қайтыўына болады, – деп жуўап берди. 15Солай етип, Мәриям жети күн даўамында бөлекленип, ордадан шығарып жиберилди, ол қайтып келгенше, халық жолға шықпады.

 

13

 

Кенаан жерине жансызлардың жиберилиўи

 

1Соннан кейин, халық Хасероттан шығып, Паран шөлине барып, қоныс басты. 2Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
3– Мен Израил халқына берип атырған Кенаан жерин көзден өткериў ушын адамлар жибер. Аталарынан тараған ҳәр бир урыўдан бир басшыдан жибер.
4Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Паран шөлинен адамларды жиберди. Булардың ҳәммеси Израил халқының басшылары еди. 5Олардың атлары мынадай еди:

 

 

Рубен урыўынан Заккур улы Шаммуа,
6Шимон урыўынан Хорий улы Шафат,
7Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
8Иссахар урыўынан Юсуп улы Игал,
9Эфрайым урыўынан Нун улы Ҳошеа,
10Бенямин урыўынан Рафу улы Палтий,
11Зебулон урыўынан Содий улы Гаддиел,
12Юсуп урыўынан, яғный Менашше урыўынан Сусий улы Гаддий,
13Дан урыўынан Гемаллий улы Аммиел,
14Ашер урыўынан Михаел улы Сетур,
15Нафталий урыўынан Ўофсий улы Нахбий,
16Гад урыўынан Махий улы Геуел.

 

 

17Елди көзден өткериў ушын Муўсаның жиберген адамлары усылар еди. Сол ўақытта Муўса Нун улы Ҳошеаға Ешуа, деп ат берди[6].
18Муўса оларды Кенаан жерин көзден өткериў ушын жиберип атырып, оларға былай деди:
– Негеб арқалы жүрип, таўлы жерлерге барың. 19Ол жерлер қандай екенин, ол жерде жасап атырған халық күшли ме, ямаса ҳәлсиз бе, олар көп пе, ямаса аз ба, билип алың. 20Олардың жасап атырған жери жақсы ма, ямаса жаман ба, қалалары қорғансыз ба, ямаса қорғанлы ма, көриң. 21Топырағы өнимдарлы ма, ямаса өнимсиз бе, дөгереги терекли ме, ямаса жоқ па, билип келиң. Қолыңыздан келгенинше, ол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келиң!
Сол ўақытта жүзим писиги енди басланып атырған еди.
22Солай етип, сол адамлар жолға шығып, елди Син шөлинен баслап, Лебо-Хаматқа жақын болған Рехобқа дейин көзден өткерди. 23Олар Негебти кесип өтип, анақлардың Ахиман, Шешай ҳәм Талмай деген тийрелери жасап атырған Хеброн қаласына барды. Хеброн Мысырдағы Соан қаласынан жети жыл алдын қурылған еди. 24Жансызлар Эшкол сайына жетип барғанда, ол жерден бир солқым жүзимди кесип алды. Олардан екеўи бир қада ағашқа жүзимди илдирип алып жүрди. Соның менен бирге, анар ҳәм әнжир мийўесин де алды. 25Израиллылардың кесип алған жүзим солқымы себепли, сол сай Эшкол[7] деп аталды.
26Жансызлар қырқ күн жерди аралап шыққаннан кейин излерине қайтты. 27Олар Паран шөлиндеги Қадешке, Муўса менен Харонның ҳәм Израил жәмийетиниң жанына келди. Оларға ҳәм пүткил жәмийетке көрген-билгенлерин айтып, сол жердиң мийўелерин көрсетти. 28Олар Муўсаға былай деп баянлады:
– Бизлерди жиберген жерге бардық. Ол жерде шынында да сүт ҳәм пал ағып турған екен! Мине, мынаў сол жердиң мийўелеринен! 29Бирақ ол жерде жасап атырған халық күшли, қалалары да қорғанлы ҳәм жүдә үлкен екен. Ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрдик. 30Амалек халқы Негебте, хет, ебус ҳәм амор халықлары таўлы үлкеде, кенаан халқы теңиздиң бойында ҳәм Иордан дәрьясының жағасында жасайды екен.
31Калеб Муўсаның алдында халықты тынышландырып:
– Ол жерге барып, елди қолға киргизейик. Әлбетте, буған жетерли күшимиз бар, – деди.
32Деген менен, оның менен бирге барған адамлар:
– Бул халыққа қарсы гүресе алмаймыз, олар бизлерден гөре күшлирек, – деди. 33Олар өзлери көзден өткерип келген ел ҳаққында израиллылардың арасында мынадай жаман мыш-мышлар тарқатып жүрди:
– Бизлер көзден өткерип келген ел, ишине мәкан басатуғынларды жеп питиретуғын ел екен. Сол елде жасап атырған ҳәр бир адам бойшаң ҳәм ири. 34Дәўлерди, дәўлердиң әўладынан болған анақларды көрдик. Олардың қасында өзлеримизди шегиртке сыяқлы сездик, оларға да сондай болып көриндик.

 

14

 

Халықтың көтерилис қылыўы

 

1Сол түни пүткил жәмийет қатты даўыслап, дад салып жылады. 2Пүткил Израил халқы Муўса менен Харонға наразы болып, былай деп тоңқылдай баслады: «Буннан гөре, Мысырда ямаса усы шөлде өлип кеткенимиз жақсы еди! 3Жаратқан Ийе не ушын бизлерди усы елге алып келди? Бизлерди қылыштан өткизиў ушын ба? Бала-шағаларымыз тутқын болады. Буның орнына Мысырға қайтып кеткенимиз бизлер ушын жақсырақ емес пе?»
4Соннан кейин, олар бир-бирине: «Өзлеримизге бир басшы сайлап алып, Мысырға қайтайық», – дести.
5Сонда Муўса менен Харон Израил жәмийетиниң алдында ет-бетинен жерге жығылды. 6Елди аралап қайтқанлардан Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб қайғырып кийимлерин жыртты да, 7пүткил Израил жәмийетине былай деди:
– Бизлер көрип келген ел – жүдә жақсы жер. 8Егер Жаратқан Ийе бизлерге ыразы болса, Ол бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған сол жерге алып барады ҳәм оны бизлерге береди. 9Тек ғана Жаратқан Ийеге қарсы шықпаңлар! Ол жерде жасап атырған халықтан қорқпаңлар! Олар бизлерге аңсат ғана олжа болады. Қорғаўшылары оларды таслап кетти, бирақ Жаратқан Ийе бизлер менен бирге. Олардан қорқпаңлар!
10Деген менен, пүткил жәмийет оларды тас боран қылыўды нийет қылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Ушырасыў шатырында пүткил Израил халқына көринди.

 

Муўсаның халық ушын дуўа етиўи

 

11Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Қашанға дейин бул халық Маған ҳүрметсизлик қылады? Олардың арасында қаншелли кәрамат көрсеткениме қарамай, қашанға дейин Маған исенбей жүреди? 12Мен оларды оба кеселлиги менен жазалайман, мийрастан маҳрум қыламан. Ал сеннен олардан уллырақ ҳәм күшлирек бир халық дөретемен.
13Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
– Онда мысырлылар бул ҳаққында еситеди. Бул халықты Өз күшиң менен олардың арасынан алып шыққан едиң. 14Олар Кенаан жеринде жасайтуғын халыққа бул ҳаққында айтады. Оҳ, Жаратқан Ийе, бул халықтың арасында болып, олар менен жүзбе-жүз көрискениңнен хабары бар. Сениң бултың олардың үстинде ҳәмме ўақыт турғанын, күндиз минара сыяқлы булт ишинде, түнде минара сыяқлы от ишинде оларға жол көрсеткениңди биледи. 15-16Егер бул халықты бир адам сыяқлы етип өлтирсең, Сен ҳаққында еситкен халықлар: «Жаратқан Ийе ант ишкен бул жерге Өз халқын алып келе алмағаны ушын, оларды шөлде қырып жиберди», – деп айтады.
17Енди Өз күшиңди көрсет, о, Ийем! Сен Өзиң былай деп айтқан едиң: 18«Жаратқан Ийе болған Мен сабыр-тақатлыман, сүйиспеншилигим шексиз, айып ҳәм жынаятты кеширемен. Бирақ айыплыны жазасыз қалдырмайман, әкесиниң ислеген айыбының жазасын үшинши ҳәм төртинши әўладларынан талап қыламан». 19Мысырдан шыққаннан баслап, бүгинги күнге дейин бул халықты кеширип келдиң. Енди Өзиңниң уллы сүйиспеншилигиңе сай олардың айыпларын кешире гөр.
20Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди:
– Сениң тилегиңе бола оларды кеширемен. 21Деген менен, мәңги бар болған Мен жер жүзин толтырып турған уллылығым менен ант ишемен: 22уллылығымды, Мысырда ҳәм шөлде көрсеткен кәраматларымды көрсе де, Мени он мәрте сынаған, сөзиме қулақ аспаған бул адамлардың ҳеш бири 23Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Маған ҳүрметсизлик қылғанлардың ҳеш бири ол жерди көрмейди.
24Бирақ қулым Калеб басқаларға уқсамайды, ол пүткил жүреги менен Маған ерди. Соның ушын, Мен оны өзи аралап, көзден өткерип қайтқан елге алып бараман. Оның әўлады сол жерди ийелеп алады. 25Амалек пенен кенаан халықлары усы ойпатлықларда жасайды. Соның ушын, сизлер ертең артыңызға қайтып, Қамыс теңизине қарай жүриңлер, шөлге барыңлар.

 

Израиллылардың наразылығы ушын жазаланыўы

 

26Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
27– Мына жаўыз жәмийет қашанға дейин Маған наразы болып, тоңқылдайды? Маған қарсы сөйлеген Израил халқының налыўын еситтим. 28Оларға Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Мәңги бар болған Мен ант ишемен: айтқан сөзлериңизди сөзсиз өзлериңиздиң басыңызға саламан. 29Өликлериңиз усы шөлде қалады. Маған наразы болып, тоңқылдағанлардың ҳәммеси – есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағылар усы шөлде өледи. 30Сизлердиң қоныслаўыңызға ант ишкен елге Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким кирмейди. 31Бирақ сизлердиң тутқын болады, деп айтқан балаларыңызды сол жерге киргиземен. Сизлер бас тартқан сол елди балаларыңыз көретуғын болады. 32Сизлердиң өликлериңиз болса усы шөлде қалып кетеди. 33Ҳәммеңиз өлип кетемен дегенше, балаларыңыз шөлде қырқ жыл шопанлық қылады ҳәм сизлердиң опасызлығыңыз себепли, олар азап шегеди. 34Сизлер елди қырқ күн даўамында аралап шыққан едиңлер. Енди ҳәр бир күн ушын бир жылдан қырқ жыл айыбыңыздың жазасын тартасызлар. Сонда Мениң сизлерден жүз бурғанымды билип аласызлар!» 35Мен, Жаратқан Ийе айтқанымдай, Маған қарсы жыйналған бул жаўыз жәмийетке буларды сөзсиз ислеймен. Олар усы шөлде қырылып, өлип кетеди.
36Муўсаның елди көзден өткерип қайтыўға жиберген адамлары қайтып келип, ел ҳаққында жаман хабар тарқатыўы пүткил жәмийеттиң Жаратқан Ийеге наразы болыўына себеп болған еди. 37Сол ел ҳаққында жаман хабар таратқан бул адамлар Жаратқан Ийениң алдында оба кеселлигине шалынып қайтыс болды. 38Елди аралаў ушын кеткен жансызлардан тек ғана Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб тири қалды.

 

Израиллылардың Кенаанды басып алыўға урынғанда, жеңилиске ушыраўы

 

39Муўса Жаратқан Ийениң сөзлерин пүткил Израил халқына айтқанда, халық терең қайғыға батты. 40Ертеңине азанда олар таўлы үлкениң жоқарысына шығып баратырып, былай деди:
– Аўа, бизлер гүна ислегенимизди мойынлаймыз. Мине, енди Жаратқан Ийениң ўәде қылған жерине барыўға таярмыз.
41Деген менен, Муўса:
– Не ушын Жаратқан Ийениң буйрығына және қарсы шығып атырсызлар? Буның менен ҳеш нәрсеге ерисе алмайсызлар. 42Саўашқа шықпаңлар, өйткени Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес. Душпанларыңыздың алдында жеңилиске ушырайсызлар. 43Амалек ҳәм кенаан халықлары ол жерде сизлерге қарсылық көрсетеди ҳәм сизлерди қылыш жүзинен өткереди. Өйткени Жаратқан Ийениң изинен жүриўден бас тарттыңлар. Жаратқан Ийе де сизлер менен бирге болмайды.
44Солай болса да, израиллылар өзлериниң айтқанынан қалмай, таўлы үлкениң жоқарысына шықты. Жаратқан Ийениң Келисим сандығы менен Муўса ордада қалды. 45Таўлы үлкеде жасайтуғын амалек пенен кенаан халықлары оларға қарсы ҳүжим қылды ҳәм оларды Хорма қаласына дейин қуўып, тас-талқан қылды.

 

15

 

Қурбанлықларға байланыслы нызамлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына былай деп айт: Мәкан етиўиңиз ушын сизлерге беретуғын елге киргениңизде, 3жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық, ықтыярлы қурбанлық ямаса байрамларда усынылатуғын қурбанлық етип ири ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге усыныңлар. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 4Қурбанлық усынатуғын адам Жаратқан Ийеге ғәлле садақасы ушын төрттен бир ҳин зәйтүн майы менен араластырылған оннан бир эфа сапалы ун да алып келсин. 5Және де, жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық пенен бирге ҳәр бир тоқлыға ишимлик садақасы етип төрттен бир ҳин шарап та усыныўы тийис.
6Егер қошқарды қурбанлық етип берсеңиз, ғәлле садақасы ушын үштен бир ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа сапалы ун 7ҳәм ишимлик садақасы ушын үштен бир ҳин шарап усының. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
8Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық, ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығы ушын бир буға алып келгениңизде, 9буға менен бирге ғәлле садақасы ушын ярым ҳин зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун усының. 10Соның менен бирге, ишимлик садақасы ушын ярым ҳин шарап усының. Бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
11Солай етип буға, қошқар, ылақ ямаса тоқлы қурбанлық қылынғанда, усы садақалар менен қоса усынылсын. 12Қанша ҳайўан қурбанлық қылмақшы болсаңыз да, олардың ҳәр бири ушын белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын қосып усыныўыңыз тийис. 13Израиллы болған ҳәр бир адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый етип, қурбанлық алып келгенде, ол усы айтылғанларға әмел қылыўы тийис. 14Егер сизлердиң араңызда ўақтынша жасап атырған келгинди ямаса узақ ўақыт жасап атырған жат жерли адам Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, бир қурбанлық алып келсе, ол да усы қағыйдаларға әмел қылыўы тийис. 15-16Сизлер ушын да, араңызда жасап атырған келгинди адам ушын да жәмийет анық усы қағыйдаларды қоллансын. Бул келешек әўладларыңыз ушын да мәңги қағыйда болсын. Жаратқан Ийениң алдында сизлер де, сизлердиң араңызда жасап атырған келгинди де бирдей.
17Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
18– Израил халқына былай деп айт: Сизлерди алып баратырған елге киргениңизден кейин, 19сол елдиң нанынан жегениңизде, нанның бир бөлегин ажыратып, Маған усының. 20Қырманыңыздың биринши өниминен ажыратылған садақа сыяқлы қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған шөректи ажыратып усының. 21Қамырыңыздың биринши зуўаласынан жабылған бул садақаны әўладлар даўамында Жаратқан Ийеге усының.

 

Гүна ушын қурбанлық

 

22-23Егер бириңиз билместен гүна ислеп, Жаратқан Ийениң мен арқалы берген буйрықларының бирине – Жаратқан Ийениң буйрық берген күнинен баслап, әўладлар бойы әмел қылмасаңыз 24ҳәм жәмийет бул қәтеге билместен жол қойған болса, пүткил жәмийет Жаратқан Ийеге хош ийисли сый усыныў ушын, бир буғаны жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Олар буға менен бирге белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын берсин. Соның менен бирге, гүна қурбанлығы ушын бир теке алып келсин. 25Солай етип, руўханий пүткил Израил жәмийетиниң гүнасы ушын қун төлеў рәсимин өткереди ҳәм олардың гүнасы кешириледи. Себеби олар билместен гүна ислеген еди ҳәм бул ушын Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлық ҳәм гүна қурбанлықларын усынған болады. 26Пүткил Израил жәмийети де, араңызда жасап атырған келгинди де кешириледи. Өйткени халық билместен усы гүнаны иследи.
27Егер бир адам билместен гүна ислеп қойса, ол гүна қурбанлығы ушын бир жасар ешки алып келсин. 28Руўханий Жаратқан Ийениң алдында сол адамның пәклениўи ушын гүнаның қунын төлеў рәсимин өткерсин. Бул рәсим өткерилгенде, сол адамның гүнасы кешириледи. 29Билместен гүна ислеп қойған израиллы ушын да, араңызда жасап атырған келгинди ушын да усы нызамды қолланыўыңыз тийис.
30Израиллы ямаса келгинди бир адам билип турып гүна ислесе, Жаратқан Ийеге тил тийгизген болады. Бундай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын. 31Ол Жаратқан Ийениң сөзлерин писент етпей, буйрықларына қарсы шыққаны ушын, ол адам халқының арасынан сөзсиз жоқ қылынсын. Оның гүнасы өз мойнында қалады.

 

Шаббат күнине әмел қылмаған адам өлтириледи

 

32Бир күни израиллылар шөлде жүрген ўақытта бир адам дем алыс күни болған Шаббат күни отын жыйнап жүрген жеринен услап алынды. 33Отын жыйнап жүрген адамды услап алған адамлар оны Муўса менен Харонның ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. 34Сол адамға қандай шара қолланылыўы кереклиги анық болмағанлықтан, оны қамап қойды. 35Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Ол адам сөзсиз өлтирилсин. Пүткил жәмийет оны орданың сыртына алып шығып, тас боран қылсын, – деди. 36Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, жәмийет сол адамды орданың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.

 

Шашақлар туўрысында қағыйда

 

37Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
38– Израил халқына былай деп айт: Әўладларыңыз даўамында кийимиңиздиң етеклерине шашақ тиктирип қойың. Ҳәр бир шашаққа қызғыш көк жип қосып исленсин. 39Усы шашақлар сизлерге Мениң, яғный Жаратқан Ийениң буйрықларын еслетип турады. Солай етип, буларды көргениңизде, буйрықларыма әмел қылып, жүрегиңиздиң ҳәм көзиңиздиң қәлеўлерине ерип кетпей, опасызлық қылмайсызлар. 40Сонда сизлер пүткил буйрықларымды ядыңызда тутып, Қудайыңыз ушын мухаддес боласызлар. 41Мен Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

 

16

 

Қорах, Датан ҳәм Абирамның көтерилиси

 

1-2Лебий урыўының Қоҳат тийресинен болған Исҳар улы Қорах, Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирам ҳәм Пелет улы Он биригип, Муўсаға қарсы көтерилис қылды. Жәмийет сайлаған Израил халқының абырайлы еки жүз елиў басшысы да оларға қосылды. 3Олар биргеликте Муўса менен Харонның алдына барып:
– Сизлер жүдә ҳәддиңизден асып кеттиңиз! Ҳәммемиз Жаратқан Ийениң мухаддес жәмийетиниң ағзалары емеспиз бе? Ол ҳәммемиздиң арамызда жасайды. Солай екен, сизлер не ушын өзлериңизди Жаратқан Ийениң жәмийетинен үстем қоясызлар? – деди.
4Буны еситкен Муўса Жаратқан Ийениң алдында ет-бетинен жерге жығылды. 5Кейин ол Қорах ҳәм оның шериклерине былай деди:
– Азанда Жаратқан Ийе кимди Өзине бағышлап алғанын көрсетеди. Жаратқан Ийе кимди таңлаған болса, сол адамды Өз дәргайына жақынластырады. 6Ҳәй, Қорах, сен өз шериклериң менен бирге түтетки түтетилетуғын ыдысларыңызды алың. 7Ертең Жаратқан Ийениң алдында ыдысларыңызға от салып, үстине түтеткиңизди қойың. Сонда Жаратқан Ийе кимди таңласа, сол адамды Өзине бағышлап алғаны. Ҳәй, лебийлилер, сизлер ҳәддиңизден асып кеттиңиз!
8Муўса Қорахқа айтып атырған сөзин былай деп даўам етти:
– Ҳәй, лебийлилер, маған қулақ салың! 9Израилдың Қудайы сизлерди Израил халқы арасынан айырып алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырындағы хызметти орынлаўыңыз ушын, Өзине жақынластырды. Және де, жәмийеттиң алдында турып, оларға хызмет етиўиңиз ушын сизлерди таңлап алды, булардың барлығы сизлерге азлық қылды ма? 10Қорах, Жаратқан Ийе сени ҳәм пүткил лебийли туўысқанларыңды Өзине жақынластырған болса, бул жетпегендей, енди сизлер руўханийликти де қәлеп атырсызлар ма? 11Ҳәй, Қорах, сениң ҳәм шериклериңниң бундай етип жыйналыўы Харонға емес, ал Жаратқан Ийеге қарсы шығыўыңызды билдиреди.
12Соннан кейин, Муўса Элиабтың уллары Датан менен Абирамды шақыртты. Бирақ олар:
– Бармаймыз. 13Сен бизлерди шөлде өлтириў ушын сүт ҳәм пал ағып турған елден алып шықтың. Бул жетпегендей, бизлердиң үстимизден бийлик қылмақшысаң ба? 14Сен бизлерди сүт ҳәм пал ағып турған елге әкелмедиң, бизлерге мүлик етип атыз ҳәм жүзим бағларын да бермедиң. Бизлердиң көзимизди байламақшымысаң? Яқ, сениң алдыңа бармаймыз, – деди.
15Муўса қатты ашыўланып, Жаратқан Ийеге:
– Олардың садақаларын қабыл етпе. Мен олардан бир ешек те алған жоқпан, олардың ҳеш бирине жаманлық қылған жоқпан, – деди.
16Кейин Муўса Қорахқа:
– Ертең сен барлық шериклериң менен бирге Жаратқан Ийениң алдына кел. Харон да усы жерде болады. 17Ҳәр бириңиз бир түтетки түтетилетуғын ыдыстан, барлығы болып еки жүз елиў ыдыс алып келип, ишине хош ийисли түтетки салың. Сен де өз ыдысыңды алып кел, Харон да өзиникин алып келеди, – деди.
18Солай етип, олардың ҳәр бири ишине от ҳәм түтетки салып, өз ыдысларын алып келди. Кейин олар Муўса ҳәм Харон менен бирге Ушырасыў шатырының алдына келип турды. 19Қорах пүткил жәмийетти Муўса менен Харонның қасына, Ушырасыў шатырының алдына жыйнағанда, Жаратқан Ийениң салтанаты ҳәммеге көринди. 20Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
21– Мына жәмийеттиң арасынан шетке шығың, Мен оларды көзди ашып жумғанша жоқ қылып жиберемен.
22Муўса менен Харон ет-бетинен жерге жығылып:
– Оҳ, Қудай, пүткил тири жанның Қудайы! Бир адам гүна иследи деп, пүткил жәмийетке ғәзепленесең бе? – деди.
23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24– Жәмийетке: Қорахтың, Датанның ҳәм Абирамның шатырларынан узақласың, – деп айт.
25Муўса Датан менен Абирамның қасына барды. Израил ақсақаллары да Муўсаның изине ерди. 26Муўса жәмийетке қарата:
– Бул жаман адамлардың шатырларынан узақласың! Олардың ҳеш бир затына қол тийгизбең. Болмаса, олардың гүнасы себепли, сизлер де жоқ боласызлар, – деди. 27Солай етип, жәмийет Қорах, Датан ҳәм Абирамның шатырларынан узақласып турды. Датан менен Абирам ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге сыртқа шығып, шатырларының алдында турған еди.
28Сонда Муўса былай деди:
– Булардың барлығын ислеўим ушын Жаратқан Ийениң мени жибергенин, мен өзлигимнен бир нәрсе де ислемегенимди мынадан билип аласызлар: 29егер де бул адамлар өз әжели менен, ҳәмме адамлардың басына түсетуғын өлим менен өлсе, онда билип қойың, Жаратқан Ийе мени жибермеген болады. 30Бирақ Жаратқан Ийе әдеттен тыс бир нәрсе ислесе, жер жарылып, оларды ҳәм оларға тийисли ҳәр бир затты жутса ҳәм олар өлилер мәканына тирилей кирип кетсе, онда бул адамлардың Жаратқан Ийеге ҳүрметсизлик қылғанын билип аласызлар.
31Муўса усы сөзлерин айтып болар болмастан, Датан ҳәм Абирамның аяқ астындағы жер жарылып кетти. 32Жер жарылып, оларды, олардың шаңарақларын, Қорахтың шериклери менен мал-мүликлерин жутып жиберди. 33Солай етип, олар бар мал-мүлки менен бирге тирилей өлилер мәканына кирип кетти. Жер жаўылып, олардың үстин қаплап таслады ҳәм олар жәмийеттиң арасынан жоқ қылынды. 34Олардың бақырысқан даўысларын еситкен әтираптағы израиллылар: «Жер бизлерди де жутып жибермесин!» – деп жән-жаққа қашып кетти.
35Сол ўақытта Жаратқан Ийениң жиберген оты хош ийисли затларды түтетип турған еки жүз елиў адамды жағып, жоқ қылып жиберди.

 

Түтетки түтетилетуғын ыдыслар

 

36Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
37– Харонның улы руўханий Элазарға түтетки түтетилетуғын ыдысларды күлдиң ишинен алып шығыўын ҳәм ишиндеги шоқларды орданың бир шетине төгиўин айт. Себеби түтетки ыдыслар мухаддес. 38Ислеген гүналары ушын өлтирилген бул адамлардың түтетки ыдысларын шөккишлеп жалпайтың да, қурбанлық орынды усылар менен қаплаң. Ыдыслар Жаратқан Ийеге усынылғаны ушын мухаддес. Булар израиллылар ушын ескертетуғын бир белги болсын.
39Солай етип, руўханий Элазар жанып өлген адамлардың алып келген түтетки түтетилетуғын қола ыдысларын жыйнап алды. Олар ыдысларды қурбанлық орынды қаплаў ушын шөккишлеп жалпайтып шықты. 40Бул израиллыларға Харонның әўладынан басқа ҳеш кимниң Жаратқан Ийениң алдына шығып, хош ийисли түтетки түтетиўге болмайтуғынын, болмаса сондай ислеген адам Қорах пенен оның шериклери сыяқлы болатуғынын ескертип туратуғын еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай етип исленди.

 

Израиллылардың көтерилиси ҳәм жазаланыўы

 

41Ертеңине пүткил Израил жәмийети Муўса менен Харонға наразы болып: «Жаратқан Ийениң халқын сизлер өлтирдиңлер», – деп тоңқылдай баслады.
42Израил жәмийети Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, Ушырасыў шатырына қарай туўры бурылып қарағанда, шатырды булт қаплады ҳәм Жаратқан Ийениң салтанаты көринди. 43Сонда Муўса менен Харон Ушырасыў шатырының алдына келди. 44Жаратқан Ийе Муўсаға:
45– Бул жәмийеттиң арасынан шетке шығың ҳәм Мен оларды көзди ашып жумғанша жоқ қылып жиберемен, – деди. Сонда Муўса менен Харон ет-бетинен жерге жығылды.
46Соннан кейин, Муўса Харонға:
– Түтетки ыдысын алып, ишине қурбанлық орыннан шоқ сал, оттың үстине хош ийисли түтетки қой. Қунын өтеў ушын дәрҳал жәмийетке бар. Себеби Жаратқан Ийе ғәзебин шашып атыр. Ал халыққа өлтиретуғын оба тарқалып баслады, – деди.
47Харон Муўсаның айтқанларын орынлап, түтетки ыдысын алды да, жәмийеттиң ортасына жуўырып барды. Халықтың арасында набыт қылатуғын кеселлик басланған еди. Харон хош ийисли түтетки усынып, жәмийеттиң қунын өтеди. 48Ол тирилер менен өлилердиң арасында турғанда, набыт қылатуғын кеселлик тоқтады. 49Ал Қорах себепли өлгенлерден тысқары, набыт қылатуғын кеселликтен өлгенлердиң саны он төрт мың жети жүз адам болды. 50Набыт қылатуғын кеселлик тоқтағаннан кейин, Харон Ушырасыў шатырының алдында турған Муўсаның жанына қайтты.

 

17

 

Харонның таяғы

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израил халқына ҳәр бир урыў көсеми ушын бир данадан он еки таяқ алып келиўин буйыр. Ҳәр бир урыў басшысының атын өз таяғының үстине жаз. 3Лебий урыўына тийисли таяқтың үстине Харонның атын жаз. Ҳәр бир урыў басшысы ушын бир таяқтан болыўы тийис. 4Таяқларды Ушырасыў шатырындағы Мен сизлер менен ушырасатуғын орынның, Келисим сандығының алдына қой. 5Мен таңлап алатуғын адамның таяғы бөртик шығарады. Солай етип, Израил халқының сизлерге қарсы шығып, наразы болып, тоңқыдаўларына шек қояман.
6Муўса айтылғанларды Израил халқына жеткерди. Халықтың көсемлери ҳәр бир урыў ушын бир данадан он еки таяқ алып келди. Харонның таяғы да солардың ишинде еди. 7Муўса таяқларды буйрықлар қойылған шатырға, Жаратқан Ийениң алдына қойды.
8Муўса ертеңине шатырға кирип қараса, Лебий урыўы ушын алып келинген Харонның таяғы бөртик шығарып ғана қоймай, ол гүллеп, бадам жемисин де берген екен. 9Муўса барлық таяқларды Жаратқан Ийениң алдынан алып шығып, Израил халқына көрсетти. Халық таяқларды қарастырып, ҳәр бири өзлерине тийисли таяқты алды.
10Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Көтерилисшилерге ескертиў болыўы ушын, Харонның таяғын Келисим сандығының алдына қайтадан апарып қой. Усылайынша, сен көтерилислерин тоқтатып, олардың өлип кетиўине жол қоймайсаң, – деди. 11Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай етип орынлады.
12Израиллылар Муўсаға:
– Өлип кетемиз! Қырылып кетемиз! Ҳәммемиз қырылып кетемиз! 13Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына жақынласқан ҳәр бир адам өледи. Енди ҳәммемиз қырылып кетемиз бе? – деди.

 

18

 

Руўханийлер менен лебийлилердиң ўазыйпасы

 

1Жаратқан Ийе Харонға былай деди:
– Сен, улларың ҳәм пүткил Лебий урыўы Мухаддес мәканға қарсы исленген гүнаға жуўапкер боласызлар. Ал руўханийлик хызметиңизге байланыслы гүна ушын тек ғана сен ҳәм улларың жуўапкер боласызлар. 2Сен ҳәм улларың буйрықлар қойылған шатырдың алдында хызмет еткениңизде, бабаңыз Лебийдиң әўладынан болған туўысқанларыңыз да сизлерге жәрдем беретуғын болсын. 3Олар сениң жуўапкершилигиң астында Мухаддес шатырға тийисли хызметлерди орынласын. Бирақ олар мухаддес жердиң буйымларына ямаса қурбанлық орынға жақынламасын, болмаса олар да, сизлер де өлип қаласызлар. 4Олар сениң менен бирге Ушырасыў шатырына байланыслы барлық ўазыйпаларды орынласын. Лебийлилерден басқа ҳеш бир адам сизлер менен бирге хызмет қылмасын.
5Ендигиден былай, Израил халқына қәҳәрленбеўим ушын, Мухаддес жерде ҳәм қурбанлық орында тек ғана сизлер хызмет қыласызлар. 6Мен израиллылар арасынан лебийли туўысқанларыңызды сизлерге жәрдемши қылып, таңлап алдым. Ушырасыў шатырына байланыслы хызметти орынлаўы ушын, олар Маған бағышланған. 7Деген менен, қурбанлық орындағы ҳәм пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге байланыслы руўханийлик хызметти тек ғана сен өз улларың менен орынлайсаң. Руўханийлик хызметти саған сый қылып бердим. Сеннен басқа ким де ким ол жерге жақынласа, ол өлтирилсин.

 

Руўханийлердиң пайы

 

8Жаратқан Ийе Харон менен болған сәўбетин былай деп даўам етти:
– Израил халқының Маған ажыратқан мухаддес сыйларын бақлаўды саған тапсырдым. Буларды сизлердиң руўханийлик хызметиңиз ушын саған ҳәм улларыңа мәңгиге пай қылып бердим. 9Қурбанлық орында Маған усынылған ең мухаддес садақалар, яғный ғәлле садақасының, айып ҳәм гүна қурбанлықларының жандырылмайтуғын бөлеклери, саған ҳәм сениң улларыңа тийисли болады. 10Буларды ең мухаддес зат сыпатында жеўиңиз тийис, себеби булар жүдә мухаддес. Бул садақа ҳәм қурбанлықлардан тек ғана еркек адамлардың жеўине болады.
11Және де, мыналар да саған тийисли болады: израиллылардың алып келген жоқары көтерип усынатуғын сыйларынан ажыратқан бөлеклерин саған ҳәм сениң ул-қызларыңа мәңгиге пай қылып бердим. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк адам булардан жеўине болады.
12Олардың Маған, Жаратқан Ийеге алып келген дәслепки өнимлерин – зәйтүн майының, таза шараптың ҳәм ғәллениң ең сапалы бөлегин сизлерге бердим. 13Елде жетистирилген дәслепки зүрәәтлерден Маған, Жаратқан Ийеге алып келингенлердиң ҳәммеси сизлерге тийисли. Шаңарағыңдағы ҳәр бир пәк болған адам олардан жеўине болады.
14Израилда Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир зат сизлердики болады. 15Израил халқының Маған алып келген адамлардың да, маллардың да қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси сизлердики болады. Бирақ адамлардың ҳәм ҳарам есапланған ҳайўанлардың биринши туўылған баласы ушын қун алыўың керек. 16Биринши туўылған ул бир айлық болғанда, оның қуны ушын бес шекел[8] аласаң. Ҳәр бир шекел Мухаддес орын өлшеми менен жигирма герадан болсын.
17Бирақ сыйырдың, қойдың ҳәм ешкиниң биринши туўылған төли ушын қун алмайсаң. Олар Мен ушын арналған. Олардың қанларын қурбанлық орынға серпип, майларын Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жибересең. 18Булардың жоқары көтерип усынылған төси ҳәм оң саны сеники болғаны сыяқлы, гөши де сеники болады. 19Израиллылардың Маған ажыратып усынған мухаддес сыйларының барлығын саған ҳәм ул-қызларыңа мәңгиге пай етип беремен. Бул сен ҳәм сениң әўладың ушын берилген Мениң мәңги келисимим болады.
20Кейин Жаратқан Ийе Харонға және былай деди:
– Халықтың арасында сизлердиң үлес жериңиз болмайды, олардың арасында ҳеш қандай пайыңыз болмайды. Сизлердиң израиллылар арасындағы пайыңыз ҳәм үлесиңиз Мен боламан.

 

Лебийлилердиң пайы

 

21Лебийлилердиң Ушырасыў шатырындағы жумысы ушын, Израилда жыйналатуғын барлық үсирлерди оларға пай қылып беремен. 22Буннан былай израиллылар Ушырасыў шатырына жақын келмесин. Болмаса, олар сол гүнаның жазасын тартып өледи. 23Ушырасыў шатырына тийисли жумысты лебийлилер ислейди, шатырға қарсы исленген ҳәр қандай айыпқа олар жуўапкер болады. Бул келешек әўладларыңыз бойынша мәңги қағыйда болсын. Израиллылардың арасында лебийлилердиң жер үлеси болмайды. 24Буның орнына Мен лебийлилерге израиллылардың Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып берген үсирлерин үлес қылып беремен. Соның ушын, Мен: «Израиллылардың арасында лебийлилердиң үлес жери болмайды», – деп айтқан едим.

 

Лебийлилердиң үсирлери

 

25Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26– Лебийлилерге мынаны айт: Мениң үлес қылып сизлерге берген үсирлерди израиллылардан алғаныңызда, алған үсирлердиң оннан бирин шығарып, Маған, Жаратқан Ийеге сый қылып бериң. 27Мен сизлердиң бул сыйыңызды қырманнан әкелинген ғәлле ҳәм жүзим сығатуғын шуқырдан әкелинген шарап сыпатында қабыллайман. 28Усылай етип, сизлер израиллылардан алған барлық үсирлерден оннан бир шығарып, Жаратқан Ийеге сый қылып бересизлер. Усы сыйды руўханий Харонға әкелип бериң. 29Сизлерге берилген барлық сыйлардың ең жақсысын, ең мухаддесин ажыратып, Жаратқан Ийеге бериңлер.
30Лебийлилерге және былай деп айт: Сыйлардың ең жақсысын Жаратқан Ийеге ажыратқаныңыздан кейин, қалғаны өз қырманыңыздан болған өним ямаса шарап өнимиңиз сыпатында өзлериңизге қалады. 31Буны сизлер шаңарағыңыз бенен қәлеген жерде жеўиңизге болады. Себеби бул – сизлердиң Ушырасыў шатырында ислеген хызметиңиз ушын берилген төлем. 32Егер оннан бирден ең жақсысын Маған, Жаратқан Ийеге ажыратып усынсаңыз, өзлериңизге гүна жүклемейсизлер. Өлип қалмаўыңыз ушын, израиллылардың усынған мухаддес садақаларын ҳарамламаңлар.

 

19

 

Гүнадан пәклениў рәсими

 

1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2– Жаратқан Ийе буйырған нызамның талаплары мыналар: израиллыларға минсиз, кемшилиги жоқ ҳәм ҳеш қандай мойынтырық салынбаған қызыл жас сыйыр алып келиўин айтың. 3Сыйыр руўханий Элазарға берилсин. Кейин оны орданың сыртына шығарып, Элазардың көз алдында сойың. 4Руўханий Элазар бармағын сыйырдың қанына батырып, оны Ушырасыў шатырының алдынғы тәрепине жети мәртебе серпсин. 5Соннан кейин, Элазардың көз алдында сыйыр, оның териси, гөши, қаны ҳәм дәриси менен бирге жандырып жиберилсин. 6Руўханий кедр ағашын, майоран шөбин ҳәм қырмызы жипти алып, оларды жанып атырған сыйырдың үстине тасласын. 7Кейин руўханий кийимлерин жуўып, өзи суўға жуўынып алсын. Соннан кейин, ол ордаға кириўине болады. Бирақ ол кешке дейин ҳарам саналады. 8Сыйырды жаққан адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынып алсын. Ол да кешке дейин ҳарам саналады.
9Соннан кейин, пәк саналған бир адам сыйырдың күлин жыйнап алып, орданың сыртындағы таза бир жерге апарып қойсын. Израил жәмийети бул күлди пәклениў суўына қосыў ушын сақлап қойсын. Бул күл адамлардың гүнадан пәклениў рәсими ушын қолланылады. 10Сыйырдың күлин жыйнаған адам кийимлерин жуўсын, ол кешке дейин ҳарам саналады. Бул израиллылар ушын да, араңызда жасап атырған келгиндилер ушын да мәңги қағыйда болсын.

 

Өлиге бир жерин тийгизип алған адам туўрысында

 

11Адамның өлигине бир жерин тийгизип алған ҳәр бир адам жети күн ҳарам саналады. 12Ол адам пәклениў суўы менен үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклесин. Сонда ол пәк болады. Егер ол үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклемесе, онда ол пәк саналмайды. 13Адамның өлигине бир жерин тийгизип, өзин пәклемеген адам Жаратқан Ийениң Шатырын ҳарамлаған болады. Ондай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын. Оның үстине пәклениў суўы серпилмегени ушын, ол ҳарам саналады, ҳарамлылығы өзинде қалады.
14Егер шатырдың ишинде бир адам қайтыс болса, буған тийисли қағыйда мынадан ибарат: сол ўақытта шатырда болған ҳәм шатырға кирген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады. 15Шатырдың ишинде қақпағы жабылмай, аўзы ашық қалған ҳәр бир ыдыс ҳарам саналады.
16Далада қылыш пенен өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген биреўдиң өлигине, сүйегине ямаса қәбирине бир жерин тийгизген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады.
17Ҳарам саналған адам ушын бир ыдыстың ишине жандырылған гүна қурбанлығының күлинен салып, үстине ағын суўдан қуйың. 18Пәк саналған бир адам майоран шөбин алып, суўға батырсын. Кейин оны шатырға, оның ишиндеги барлық буйымлардың ҳәм ҳәр бир адамның үстине себелесин. Өлген адамның сүйегине, өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген адамға ямаса қәбирге бир жерин тийгизген адамның үстине де сол суўдан себеленсин. 19Пәк саналған адам үшинши ҳәм жетинши күни ҳарам саналған адамның үстине суўдан сеўип, оны жетинши күни пәклесин. Пәкленген адам кийимлерин суўға жуўып, өзи де жуўынсын, сонда ол кеште пәк саналады. 20Егер ҳарам саналған адам өзин пәклемесе, ол жәмийеттиң арасынан жоқ қылынсын. Өйткени ол Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканын ҳарамлаған болады. Пәклениў суўы оның үстине серпилмегени ушын, ол адам ҳарам саналады. 21Бул халық ушын мәңги қағыйда болсын. Пәклениў суўын серпкен адам да кийимлерин жуўсын. Пәклениў суўын услаған адам кешке дейин ҳарам саналады. 22Ҳарам адам жантасқан ҳәр бир нәрсе ҳарам саналады. Сол ҳарамланған затқа жантасқан адам да кешке дейин ҳарам саналады.

 

20

 

Жартастан аққан суў

 

1Биринши айда Израил халқының пүткил жәмийети Син шөлине жетип барып, Қадешке орналасты. Мәриям сол жерде қайтыс болып, жерленди.
2Ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди. Сол себепли олар Муўса менен Харонға қарсы жыйналып, 3Муўса менен даўласып, былай деди:
– Туўысқанларымыз Жаратқан Ийениң алдында өлген ўақытта, бизлер де олар менен бирге өлип кеткенимиз жақсы еди! 4Жаратқан Ийениң жәмийетин бул шөлге не ушын алып келдиң? Бизлер ҳайўанларымыз бенен бирге өлиўимиз ушын ба? 5Не ушын бизлерди усы жаман жерге алып келиў ушын Мысырдан алып шықтың? Бул жердиң егислиги де, әнжири де, жүзими де, анары да жоқ. Ҳәттеки, ишетуғын суўы да жоқ!
6Муўса менен Харон жәмийеттиң алдынан кетип, Ушырасыў шатырының алдына барды да, ол жерде ет-бетинен жерге жығылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты оларға көринди. 7-8Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди.
9Муўса өзине берилген буйрық бойынша Жаратқан Ийениң дәргайындағы таяқты алып, 10Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға:
– Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди. 11Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.
12Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
– Израиллылардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпей, Маған исенбедиңлер. Соның ушын, Мен бул жәмийетке беретуғын елге оларды сизлер алып бармайсызлар.
13Израил халқы Жаратқан Ийеге қарсы шығып, даўласқан сол жер Мериба[9] деп аталды. Усы жерде Жаратқан Ийе оларға Өз мухаддеслигин көрсетти.

 

Эдом патшасының өз жери арқалы израиллыларды өткизбеўи

 

14Муўса Қадештен Эдом патшасына елшилер арқалы мынадай хабар жиберди: «Туўысқаның болған Израил халқы былай деп айтып атыр: Басымызға түскен барлық қыйыншылықлардан хабарың бар. 15Ата-бабаларымыз Мысыр жерине барып қоныс басты ҳәм сол жерде узақ ўақыт даўамында жасадық. Мысырлылар ата-бабаларымызға да, бизлерге де зулымлық қылды. 16Бирақ бизлер Жаратқан Ийеге жалбарынғанымызда, Ол периштесин жиберип, бизлерди Мысырдан алып шықты. Мине, енди бизлер сениң шегараңа жақын жердеги Қадеш қаласында турыппыз. 17Бизлерге елиң арқалы өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Сизлердиң егин атызларыңызға, жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм қудықларыңыздан суў ишпеймиз. Елиңиз арқалы өткенде, оңға да, шепке де бурылмай, тек ғана Патша жолы деген үлкен жолдан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
18Бирақ Эдом патшасы: «Елим арқалы өтпейсизлер! Болмаса, сизлерге қарсы қылыш көтеремиз», – деп жуўап берди.
19Сонда израиллылар оған: «Бизлер үлкен жолдан жүрип, өтип кетемиз. Егер бизлер ямаса ҳайўанларымыз суўыңнан ишсек, оның ҳақысын төлеймиз. Бизлер тек бары-жоғы елиңиз арқалы өтип кетемиз», – деп илтимас қылды.
20Деген менен, Эдом патшасы оларға және: «Өтпейсизлер!» – деп жуўап берди. Соннан кейин, эдомлылар израиллыларға қарсы жүрис қылыў ушын, көп санлы ҳәм күшли ләшкерлери менен жолға шықты. 21Эдом патшасы елинен өтиўине рухсат бермегеннен соң, израиллылар артқа бурылып, айланып өтиў ушын, оннан узақласты.

 

Харонның өлими

 

22Пүткил Израил жәмийети Қадештен шығып, Ҳор таўына келди. 23Жаратқан Ийе Эдом шегарасындағы Ҳор таўында Муўса менен Харонға былай деди:
24– Харон өлип, өз ата-бабаларына қосылады. Ол Мен Израил халқына беретуғын елге кирмейди. Өйткени екеўиңиз Мериба суўы жанында Мениң буйрығыма қарсы шықтыңлар. 25Енди сен Харон менен оның улы Элазарды Ҳор таўына алып шық. 26Харонның руўханийлик кийимлерин шешип алып, оларды улы Элазарға кийгиз. Харон ол жерде өлип, ата-бабаларына қосылады.
27Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды. Олар үшеўи де пүткил жәмийеттиң көз алдында Ҳор таўына көтерилди. 28Муўса Харонның руўханийлик кийимлерин үстинен шешип алды да, оларды улы Элазарға кийгизди. Харон сол жерде, таўдың жоқарысында өлди. Кейин, Муўса менен Элазар таўдан түсти. 29Пүткил Израил жәмийети Харонның өлгенин билгенде, ол ушын отыз күн аза тутты.

 

21

 

Арад қаласының жоқ қылыныўы

 

1Негебте жасап атырған кенаанлы Арад патшасы израиллылардың Атарим жолынан киятырғанынан хабар тапқанда, оларға ҳүжим қылып, олардың базыларын тутқынға алды. 2Сол себепли израиллылар: «Егер Сен бул халықты бизлерге тәслим қылсаң, олардың барлық қалаларын Саған бағышлап, толығы менен жоқ етемиз», – деп Жаратқан Ийеге ўәде берди. 3Жаратқан Ийе израиллылардың жалбарынған даўысын еситти ҳәм кенаанлыларды оларға тәслим қылды. Израиллылар оларды қырып таслап, қалаларын толығы менен жоқ қылды. Кейин ала сол жерге Хорма[10] деген ат берилди.

 

Мыстан соғылған жылан

 

4Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қамыс теңизине баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды. 5Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып:
– Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди.
6Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди. 7Халық Муўсаның алдына келип:
– Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўын айтып, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти.
8Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Бир жылан ислеп, оны баған үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди.
9Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бағанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.

 

Моабқа қарай жол

 

10Израил халқы жолын даўам етип, Оботқа орналасты. 11Соннан соң, олар Оботтан шығып, Моабтың шығыс тәрепиндеги шөлге, Ийе-Абаримге орналасты. 12Ол жерден де шығып, Зеред дәрьясында тоқтады. 13Кейин олар сол жерден шығып, амор халқының шегарасына дейин созылған шөлде, Арнон дәрьясының арғы жағасында тоқтады. Арнон дәрьясы Моаб пенен Амор елиниң арасындағы шегара еди. 14«Жаратқан Ийениң Саўашлары» китабында Суфа жерлериндеги Ўаҳеб қаласы, сайлар, және де, Арнон дәрьясы, 15Ар қаласына дейин ҳәм Моаб шегарасы бойлап созылған таў жанбаўырлардағы сайлар ҳаққында сөз етиледи.
16Сол жерден Израил халқы Беер[11] деген жердеги қудыққа жол алды. Бул қудықтың қасында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Халықты бир жерге жыйна, Мен оларға суў беремен», – деп айтқан еди.
17Сол ўақытта израиллылар мына қосықты айтты:

 

 

«Суўларың толып-тассын, ҳәй, қудық!
Қудыққа арнап қосық айтың.
18Бул қудықты қазды басшылар менен халық көсемлери,
Ҳаса таяқ пенен қазған еди».

 

 

Соннан соң, олар шөлден Маттанаға, 19Маттанадан Наҳалиелге, Наҳалиелден Бамотқа, 20Бамоттан Моаб жерлериндеги ойпатлыққа, шөлге қарама-қарсы болған Писга таўының етеклерине кетти.

 

Патша Сихон ҳәм патша Огтың жеңилиске ушыраўы

 

21Израиллылар Амор патшасы Сихонға елшилери арқалы мына хабарды жиберди:
22«Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер атызларыңызға ҳәм жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм ҳеш бир қудықтан суў ишпеймиз. Шегараңыздан өтип кеткенше, Патша жолынан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
23Деген менен, Сихон өз ели арқалы израиллылардың өтип кетиўине рухсат бермеди. Ол израиллылар менен урысыў ушын пүткил ләшкерлерин жыйнап, шөлге қарай шықты. Яҳас қаласына жетип барып, израиллыларға қарсы ҳүжим қылды. 24Урыста израиллылар Сихонды қылыш жүзинен өткерип, оларды жеңилиске ушыратты ҳәм Арнон дәрьясынан Яббоқ дәрьясына шекемги барлық жерлерди ийелеп алды. Бирақ аммон халқының шегарасынан арман қарай өтпеди, себеби Аммон елиниң шегарасы беккем еди. 25Израиллылар Хешбон ҳәм оның дөгерегиндеги аўыллар менен бирге амор халқының барлық қалаларын қолға киргизип, сол жерлерде жасай баслады. 26Хешбон амор халқының патшасы Сихонның қаласы еди. Сихон Моабтың алдынғы патшасына қарсы саўаш ашып, оның Арнон дәрьясына дейин созылған жерлерин басып алған еди. 27Соның ушын, жыраўлар былай деп жырлайтуғын еди:

 

 

«Хешбонға келиң, оны қайта қурың,
Сихонның қаласын беккем қылың,
28Хешбоннан от жалыны шықты,
Сихонның қаласынан от лаўлап шықты,
Моабтың Ар қаласын,
Арнон төбешиги хожайынларын жағып жоқ етти.
29Ҳәсирет болсын саған, ҳәй Моаб халқы!
Кемош қудайының халқы жоқ болдың!
Кемош өз улларын қашқын қылды,
Қызларын болса Амор патшасы Сихонға тутқын қылды.
30Оларды жеңилиске ушыраттық,
Хешбоннан Дибонға дейин ҳәммесин жоқ қылдық.
Медебаға созылған Нофахқа дейин оларды ўайран қылдық».

 

 

31Солай етип, Израил халқы амор халқының елинде жасай баслады.
32Муўса Язерди көзден өткериў ушын адамларын жиберди. Кейин израиллылар Язер дөгерегиндеги аўылларды басып алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып жиберди. 33Соннан кейин, олар бурылып, Башанға қарай жол алды. Башан патшасы Ог барлық ләшкерлери менен израиллыларға қарсы урысыў ушын, Эдрейде олардың қарсы алдынан шықты.
34Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Оннан қорқпа! Себеби оны ҳәм оның ләшкерлери менен елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең, – деди.
35Солай етип, Израил халқы ҳеш кимди аман қалдырмастан, Ог пенен оның балаларын ҳәм ләшкерлерин қырып таслады. Кейин олар Огтың елин ийелеп алды.

 

22

 

Моаб патшасы Балақтың Биламды шақырыўы

 

1Соннан кейин, израиллылар жолын даўам етти. Олар Моаб тегислигине келип, Иордан дәрьясының шығысына, Ерихо қаласының қарсы алдына орналасты.
2Сиппор улы Балақтың израиллылардың амор халқына нелер ислегенинен хабары бар еди. 3Израил халқы соншелли көп болғанлықтан, моаблылар олардан қатты қорқысып, албыраўшылыққа түскен еди.
4Сонда моаблылар Мидян ақсақалларына: «Өгиз жайлаўдағы от-шөпти жеп жоқ қылғаны сыяқлы, бул халық та дөгерегимиздеги барлық нәрсени ишип-жеп жоқ қылады», – деди.
Сол ўақытлары Сиппор улы Балақ Моаб патшасы еди. 5Балақ Беор улы Биламды шақыртыў ушын хабаршыларын жиберди. Билам Евфрат дәрьясының бойында, Аммаў үлкесиндеги Петорда жасайтуғын еди. Балақ Биламға хабаршыларынан былай деп айтып жиберген еди:
«Мысыр жеринен шығып, жер жүзин қаплаған бир халық мениң жаныма келип орналасты. 6Өтинемен, сиз келип, меннен де күшли болған сол халықты мен ушын нәлетлең. Мүмкин, сонда мен оларды жеңип, елимнен қуўып шығара аларман. Өйткени сизиң пәтия берген адамыңыз жарылқанып, нәлетлеген адамыңыз нәлетленетуғынын билемен».
7Моаб ҳәм Мидян ақсақаллары Биламға нәлетлеўи ушын төленетуғын пулды алып кетти. Олар Биламға барып, оған Балақтың сөзлерин жеткерди.
8Билам оларға:
– Усы жерде қонып қалың. Жаратқан Ийениң айтқаны бойынша сизлерге жуўап беремен, – деди.
Солай етип, Моаб басшылары Биламның үйинде қонып қалды.
9Қудай Биламға келип, оннан:
– Үйиңде қалған мына адамлар ким? – деп сорады.
10Билам Қудайға былай деп жуўап берди:
– Моаб патшасы Сиппор улы Балақ маған мына хабарды жиберипти: 11«Мысыр жеринен шыққан бир халық жер жүзин қаплап кетти. Сиз келип, мен ушын сол халықты нәлетлең. Сонда мен оларға қарсы урысыўға күшим жетип, оларды қуўып жибере аларман».
12Бирақ Қудай Биламға:
– Олар менен бирге барма! Сол халықты нәлетлеме, себеби олар жарылқаў алған халық, – деди.
13Азанда Билам Балақтың жиберген басшыларына:
– Елиңизге қайта бериң. Себеби Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барыўыма рухсат бермеди, – деди.
14Моаб басшылары изине қайтып, Балаққа: «Билам бизлер менен бирге келиўге ыразы болмады», – деди.
15Сонда Балақ алдынғы жибергенлеринен көбирек ҳәм олардан абырайлылаў басшыларын жиберди. 16Олар Биламның алдына барып, былай деп айтты:
– Сиппор улы Балақ былай деп айтып жиберди: «Өтинемен, мениң алдыма келиўиңизге ҳеш бир нәрсе тосқынлық қылыўына жол қоймаң. 17Өйткени сизге айрықша ҳүрмет көрсетемен, не қәлесеңиз, соны ислеймен. Не болса да, келиң, мен ушын бул халықты нәлетлең».
18Билам Балақтың хабаршыларына мынадай жуўап қайтарды: «Балақ сарайындағы барлық алтын ҳәм гүмисти маған берсе де, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш нәрсе қылмайман. 19Мәрҳәмат, бүгин түнде усы жерде сизлер де қонып қалың, Жаратқан Ийениң маған басқа не айтатуғынын билип алайын».
20Сол түни Қудай Биламға келип:
– Бул адамлар сени шақырыў ушын келген екен, олар менен бирге бар, бирақ Мен саған не айтсам, соны ислейсең, – деди.

 

Биламның ешеги

 

21Солай етип, азанда Билам ешегин ертледи де, Моаб басшылары менен бирге кетти. 22Билам жолға шыққанда, Қудай оған ғәзепленди. Жаратқан Ийениң периштеси оған қарсылық қылыў ушын, оның жолында турып алды. Сонда Билам ешегине минип, кетип баратыр еди. Оның қасында еки хызметкери бар еди. 23Ешек қылышын жалаңашлап турған Жаратқан Ийениң периштесин көргенде, жолдан шығынып, атыздың ишине кирип кетти. Ал Билам болса, ешегин жолға қайтарыў ушын, оны сабай баслады.
24Соннан соң, Жаратқан Ийениң периштеси жүзимзарлардың арасындағы тар соқпақта турып алды. Соқпақтың еки тәрепи де дийўаллар менен қоршалған еди. 25Ешек Жаратқан Ийениң периштесин көрип, дийўалға тығылып, Биламның аяғын қысып таслады. Билам ешегин және сабай баслады.
26Жаратқан Ийениң периштеси алдыға жылжып, тар жерде турып алды. Енди ешек оңға да, солға да бурылып кете алмайтуғын еди. 27Жаратқан Ийениң периштесин көрген ешек Биламның астына жатып алды. Биламның буған ғәзеби қайнап, таяғы менен ешекти және сабай баслады. 28Сонда Жаратқан Ийениң қүдирети менен ешекке тил питип, Биламға:
– Мени үш мәрте урып сабағандай, мен саған не қылдым? – деп сорады.
29Билам:
– Сен мени мазақ қылып атырсаң. Егер қолымда қылышым болғанда, сени өлтирип таслаған болар едим! – деп бақырды.
30Ешек оған:
– Усы күнге дейин минип жүрген ешегиң мен емеспен бе? Бурын саған усындай қылық шығарған ба едим? – деди.
Билам:
– Яқ, – деди.
31Соннан соң, Жаратқан Ийе Биламның көзин ашты. Сонда Билам қылышын жалаңашлап, жолда турған Жаратқан Ийениң периштесин көрип, ет-бетинен жерге жығылды.
32Жаратқан Ийениң периштеси Биламға:
– Не ушын ешегиңди үш мәрте урып, сабадың? Саған қарсылық қылыў ушын келдим. Себеби тутқан жолың сени бәлеге дуўшар қылады. 33Ал ешегиң болса Мени көрип, үш мәрте өзин жолдан шетке алып қашты. Егер ол жолдан шетке шықпағанда, сени өлтирип, оны аман қалдырған болар едим, – деди.
34Билам Жаратқан Ийениң периштесине:
– Гүна қылдым. Маған қарсы шығыў ушын, жолда турғаныңды билмеппен. Егер бул тутқан жолым Саған мақул болмаса, онда үйиме қайтайын, – деди.
35Жаратқан Ийениң периштеси оған:
– Мына адамлар менен бирге кете бер. Бирақ Мен саған не айтсам, тек ғана соны айтасаң, – деди. Солай етип, Билам Балақтың басшылары менен бирге кетти.

 

Патша Балақтың Билам менен ушырасыўы

 

36Балақ Биламның киятырғанын еситиўден, оны күтип алыў ушын Арнон бойындағы, Моаб елиниң шегарасында жайласқан Ир қаласына кетти. 37Балақ Биламға:
– Сизди шақырыў ушын жиберген алдынғы адамларым менен не ушын келмедиңиз? Ямаса мени саўға менен сыйлаўға күши жетпейди, деп ойлап па едиңиз? – деди.
38Билам Балаққа:
– Мине, енди сизиң алдыңызға келдим. Қудай маған не буйырса, соны айтаман, өзлигимнен не айтыўым мүмкин? – деп жуўап берди.
39Соннан кейин, Билам Балақ пенен бирге жолға түсип, Кирят-Хусот қаласына кетти. 40Сол жерде Балақ буға ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Қурбанлықтың гөшинен Билам менен оның қасындағы басшыларға да берди.
41Ертеңине азанда Балақ Биламды Бамот-Баал төбешигине алып шықты. Билам ол жерден Израил халқының бир бөлегин көрди.

 

23

 

Биламның биринши айтқан сөзлери

 

1Билам Балаққа:
– Усы жерде мен ушын жети қурбанлық орын қурып, жети буға менен жети қошқар таярлаң, – деди.
2Балақ оның айтқанларын иследи. Балақ пенен Билам екеўи ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан жандырылатуғын қурбанлық қылды.
3Кейин Билам Балаққа:
– Сиз қурбанлықларыңның қасында турың, мен сәл арманлаў барып көрейин. Бәлким, Жаратқан Ийе мениң менен ушырасыўға келер. Ол маған не десе, саған соны айтаман, – деди де, төбешикке шықты.
4Қудай Биламға көрингенде, Билам Қудайға:
– Жети қурбанлық орын қурдырдым, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық қылдым, – деди.
5Жаратқан Ийе Биламның аўзына айтатуғын сөзлерин салып, оған:
– Балақтың алдына бар ҳәм оған Мениң айтқан сөзлеримди жеткиз, – деди.
6Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың жанында турғанын көрди. 7Сонда Билам мына сөзлерди айтты:

 

 

«Моаб патшасы Балақ мени Арамнан,
Шығыс таўларынан алып келди.
Ол: „Келип, мениң ушын Яқып урпағын нәлетле,
Келип, Израилдың қулаўын тиле!“ – деди.
8Қудай нәлетлемегенди
Мен қалайынша нәлетлеймен?
Жаратқан Ийе қулаўын қәлемегенди,
Мен қалайынша қулаўын қәлеймен?
9Жартаслардың төбесинде турып, көрип турман оларды,
Төбелерден қарап турман оларға.
Өз алдына жасайтуғын,
Басқа халықлардан өзлерин бөлек услайтуғын,
Бир халықты көрип турман.
10Яқыптың қум сыяқлы көп урпағын ким санай алады?
Көтерилген шаң киби сансыз Израилды ким есаплай алады?
Әдил адамлардың өлими менен мен де өлейин,
Ақыретим олардики киби болсын!»

 

 

11Балақ Биламға:
– Маған не ислеп атырсыз өзи? Мен сизди душпанларымды нәлетлесин деп алып келген едим, ал сиз болсаңыз, оларға пәтия берип атырсыз-ғо! – деди.
12Билам:
– Мен Жаратқан Ийе аўзыма салған сөзди абайлап айтыўым керек емес пе? – деп жуўап берди.

 

Биламның айтқан екинши сөзи

 

13Соннан соң, Балақ оған былай деди:
– Мениң менен бирге оларды көре алатуғын басқа жерге жүриң. Бирақ ол жерден олардың ҳәммесин емес, ал тек ғана бир бөлегин көресиз. Сол жерде турып, Израил халқын мениң ушын нәлетлең. 14Солай етип, Балақ Биламды Писга таўының төбесиндеги гүзетиў орнына алып барды. Балақ ол жерде де жети қурбанлық орын қурып, ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.
15Билам Балаққа:
– Сиз усы жерде, жандырылатуғын қурбанлықтың қасында турың, ал мен ана жерге барып, Жаратқан Ийе менен ушырасып келемен, – деди.
16Жаратқан Ийе Билам менен ушырасты ҳәм оның аўзына айтатуғын сөзлерин салып:
– Балақтың алдына барып, оған мына сөзлерди жеткиз, – деди.
17Солай етип, Билам Балақтың қасына қайтып барды. Ол Балақтың Моаб басшылары менен бирге жандырылған қурбанлықтың қасында турғанын көрди.
Балақ:
– Жаратқан Ийе не деди? – деп сорады.
18Билам оған мына сөзлерди жеткерди:

 

 

«Оҳ, Балақ тыңлап түсинип алың,
Оҳ, Сиппор улы, маған қулақ салың.
19Қудай жалған сөйлейтуғын инсан емесдур,
Қудай Өз пикирин өзгертетуғын,
Инсан урпағынан емесдур.
Ол Өз айтқан сөзин әмелге асырар,
Ўәде бергенде, сөзсиз орынлар.
20Жарылқаў ушын маған буйрық берди,
Өзгертире алмаспан мен Оның жарылқаўын.
21Яқып урпағында апат көринбейди,
Бахытсызлық та көринбес Израилда,
Қудайы Жаратқан Ийе олар менен биргедур,
Ол Патшасыдур олардың арасында,
Патшалық кәрнай шертилер арналып Оның атына.
22Қудай оларды Мысырдан алып шықты,
Жабайы буға сыяқлы Оның күши бардур.
23Яқыптың урпағында жорыўшылық жоқдур,
Израилда палкерлик қылынбас.
Енди болса, Яқыптың урпағы Израил ушын,
„Қудай нелерди иследи!“ – деп айтылып атыр.
24Мине, халық ана арыслан киби оянар,
Арыслан яңлы олжасын жеп таўыспағанша,
Өлтирилген олжасының қанын ишип болмағанша жатпас».

 

 

25Сонда Балақ:
– Егер Израил халқын нәлетлемейди екенсиз, онда оларды жарылқама да! – деди.
26Билам оған:
– Сизге Жаратқан Ийе не айтса, соны айтаман деп айтқан жоқ па едим? – деп жуўап берди.

 

Биламның айтқан үшинши сөзи

 

27Балақ Биламға:
– Не болса да, жүр, енди сизди басқа жерге алып барайын. Бәлким, Қудайға мақул болып, ол жерден оларды нәлетлеўиңизге жол қояр, – деди. 28Солай етип, ол Биламды Пеор таўының төбесине алып барды. Ол жерден шөл даласы көринетуғын еди.
29Билам оған:
– Бул жерде де жети қурбанлық орын қурып, жети буға ҳәм жети қошқар таярлаң, – деди. 30Балақ оның айтқанларын иследи ҳәм ҳәр бир қурбанлық орынның үстинде бир буға ҳәм бир қошқардан қурбанлық берди.

 

24

 

1Билам Жаратқан Ийениң Израил халқын жарылқаўды мақул көретуғынын билгенде, алдынғыдай барып, жорыўға урынбады. Ол өз нәзерин шөлге қаратты. 2Билам ол жақта Израилдың урыў-урыў болып жайласқанын көрди. Сонда Қудайдың Руўхы Биламның үстине түсти 3ҳәм мына сөзлерди айтты:

 

 

«Көзи ашық Беор улы Билам,
4Қудайдың сөзлерин еситкен,
Қүдирети күшли Қудайдың аяны түскен,
Жерге қулаған, бирақ Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
5„Оҳ, Яқып урпағы, шатырларың қандай әжайып,
Оҳ, Израил халқы мәкан жериңиз қандай гөззал!
6Олар созылғандур пальмазардай,
Дәрья бойындағы бағы-бақша киби,
Жаратқан Ийениң отырғызған алоэ ағашындай,
Мегзейди суў бойындағы кедр ағашларына.
7Суў ыдысларынан суў толып-тасар,
Туқымлары мол суў менен суўғарылар.
Агагтан Израил патшасы уллы болар,
Израил патшалығы қүдиретли болар.
8Қудай оларды Мысырдан алып шықты,
Жабайы буға сыяқлы Оның күши бардур.
Душпаны болған халықларды жалмамай жутар,
Олардың сүйеклерин езип, оқларын сындырар.
9Израил арысландай, ана арыслан яңлы,
Жерге ийилди де, жатты,
Оны оятыўға кимниң батылы барар?
Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын,
Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын!“»

 

 

10Биламға ғәзеби қайнаған Балақ қолларын бир-бирине урып:
– Душпанларымды нәлетлесин деп, сизди шақырған едим. Ал сиз болсаңыз, оларға үш мәрте пәтия бердиңиз. 11Енди дәрҳал үйиңизге қайтың! Сизге саўға сыйлайман деген едим, бирақ Жаратқан Ийе сизди саўғадан бос қалдырды, – деди.
12-13Сонда Билам оған жуўап берип, былай деди:
– Маған жиберген елшилериңе: «Балақ сарайындағы барлық алтын ҳәм гүмисти маған берсе де, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш қандай жақсы да, жаман да нәрсе қылмайман. Ал Жаратқан Ийе нени буйырса, соны сөйлеймен», – деп айтқан жоқпан ба? 14Енди мен өз елиме қайтаман. Бирақ алдын Израил халқының келешекте сениң халқыңызға нелер ислейтуғынын сизге айтып берейин.

 

Биламның төртинши мәрте айтқан сөзлери

 

15Соңынан Билам мына сөзлерди айтты:

 

 

«Көзи ашық Беор улы Билам,
16Қудайдың сөзлерин еситкен,
Қудай Тааладан билим алған,
Қүдирети күшли Қудайдың саўлатын көрген,
Жерге қулаған, Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
17„Оны көрип турман, бирақ ҳәзир емес,
Оған қарап турман, бирақ ол жақын емес.
Яқып урпағынан бир жулдыз шығар,
Израилдан бийлик ҳасасы көтерилер.
Ол Моабтың көсемлерин жоқ қылып,
Шиттиң урпағының басларын езер.
18Душпаны болған Эдомды ийелеп алар,
Аўа, Сеир жеңилиске ушырар,
Ал Израил халқы күшке толар.
19Яқып урпағынан болған адам басшылық қылар,
Қала халқының қалғанларын жоқ қылар“».

 

 

Биламның ақырғы сөзлери

 

20Соннан кейин, Билам амалеклерди көрип, мынадай сөзлерди айтты:

 

 

«Амалек халқы басқа халық арасында биринши еди,
Бирақ апат болажақ оның ақыры».

 

 

21Кейин ол кен халқын көрип, мынадай сөз айтты:

 

 

«Сизлердиң баспанаңыз беккемдур,
Уяңыз жартасларға қурылғандур.
22Бирақ, ҳәй кенлер, ашшур халқы сизлерди тутқын қылғанда,
Сизлер жанып, жоқ боласызлар».

 

 

23Билам сөзлерин және былай деп даўам етти:

 

 

«Оҳ, буны әмелге асыратуғын Қудай болса,
Онда ким аман қалар?
24Киттим жағаларынан кемелер келер,
Ашшур менен эбер халқын тәслим қылар,
Бирақ өзлери де апатқа дуўшар болар».

 

 

25Кейин, Билам жолға шығып, үйине қайтты. Балақ та өз жолы менен кетти.

 

25

 

Израиллылардың Пеорда гүнаға батыўы

 

1Израиллылар Шиттимде орналасып турғанда, олардың еркеклери моаблы ҳаяллар менен бузықшылық қыла баслады. 2Моаблы ҳаяллар израиллыларды өз қудайларына арнап беретуғын қурбанлыққа мирәт етти. Израил халқы олардың қурбанлық гөшлеринен жеди ҳәм олардың қудайларына табынды. 3Солай етип, Израил халқы Пеордағы Баалға байланып қалды. Сол себептен Жаратқан Ийениң оларға ғәзеби қайнады.
4Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Бул халықтың барлық басшыларын әкелип, оларды күндиз Мениң алдымда асып қой. Усылай етип, Мениң Израил халқына болған ғәзебим түссин, – деди.
5Сонда Муўса Израил басшыларына:
– Ҳәр бириңиз Баал-Пеорға байланып қалған адамларыңызды өлтириң, – деп буйрық берди.
6Жәмийет Ушырасыў шатырының алдында жылап турғанда, израиллы бир адам мидянлы бир ҳаялды Муўсаның ҳәм Израил жәмийетиниң көз алдында өз шатырына алып кирген еди. 7Буны көрген Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас жәмийет арасынан шығып, қолына бир найза алды. 8Пинехас израиллы сол адамның изинен барып, шатырға кирди де, найзаны екеўине де қадады. Найза израиллы сол адамның денесин тесип өтип, мидянлы сол ҳаялдың қарнына кирген еди. Солай етип, Израил халқын жоқ етип атырған оба тоқтады. 9Бул обадан өлгенлердиң саны 24 000 адам еди.
10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
11– Руўханий Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас Израил халқына болған ғәзебимди қайтарды. Өйткени ол халықтың арасында Мениң ушын уллы қызғаншақлық көрсетти. Сол себепли, Мен Өз қызғаншақлығым менен оларды пүткиллей жоқ қылмадым. 12Сен оған былай деп айт: Мен Пинехас пенен тынышлық келисимимди дүземен. 13Бул келисим бойынша Пинехас ҳәм оның әўлады мәңги руўханий болады. Себеби ол Қудайы ушын қызғаншақлық қылып, Израил халқынан Мениң ғәзебимди қайтарды.
14Мидянлы ҳаял менен бирге өлтирилген израиллы адамның аты Салу улы Зимрий еди. Ол Шимон урыўындағы бир әўладтың басшысы еди. 15Ал өлтирилген ҳаял болса, мидянлы бир тийрениң басшысы болған Сурдың қызы Козбий еди.
16Жаратқан Ийе Муўсаға:
17– Мидян халқын душпан деп бил ҳәм оларды қырып тасла. 18Өйткени олар сизлерге қарсы сумлық ойлап, сизлерди Пеорда жалған қудайларға табындырды ҳәм өзлериниң туўысқаны болған мидянлы тийре басшысының қызы Козбий арқалы азғырыўға салып, душпанлық қылды. Бул ҳаял Пеорда оба тарқалған ўақытта өлтирилген еди, – деди.

 

26

 

Халықтың екинши мәрте дизимге алыныўы

 

1Обадан кейин, Жаратқан Ийе Муўса менен руўханий Харонның улы Элазарға былай деди:
2– Израил жәмийетиндеги саўашқа жарамлы жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамларды әўладлары бойынша санап шығың!
3Сол ўақытта Израил халқы Моаб тегислигинде, Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында еди. Муўса менен руўханий Элазар халыққа:
4– Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды санап шығың, – деди.
Мысырдан шыққан израиллылар мыналар еди:

 

5Израилдың туңғышы Рубен урыўынан тараған тийрелер:
Ханох урпағынан Ханох тийреси, Паллу урпағынан Паллу тийреси, 6Хесрон урпағынан Хесрон тийреси, Кармий урпағынан Кармий тийреси.
7Рубеннен тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 43 730 адам болды.
8Паллудың Элиаб деген улы бар еди. 9Элиабтың уллары Немуел, Датан ҳәм Абирам еди. Булар жәмийеттиң сайланды адамлары болып, Жаратқан Ийеге бойсынбай, Муўса ҳәм Харонға қарсы шыққан Қорах ҳәм оның шериклерине қосылған Датан менен Абирам еди. 10Сол ўақытта жер жарылып, Қорах пенен бирге оларды да жер жутып жиберген еди. Сол күни от Қорахтың еки жүз елиў шериклерин жағып жоқ қылған еди. Солай етип, бул басқаларға ескертиў болып қалды. 11Бирақ Қорахтың уллары аман қалған еди.

 

12Шимон урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Немуелден Немуел тийреси, Яминнен Ямин тийреси, Яхиннен Яхин тийреси, 13Зерахтан Зерах тийреси, Шаулдан Шаул тийреси.
14Шимон урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 22 200 адам болды.

 

15Гад урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Сефоннан Сефон тийреси, Хаггийден Хаггий тийреси, Шунийден Шуний тийреси, 16Ознийден Озний тийреси, Эрийден Эрий тийреси, 17Ародтан Арод тийреси, Арелийден Арелий тийреси.
18Гад урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 40 500 адам болды.

 

19Яҳуданың Эр ҳәм Онан деген еки улы Кенаан елинде қаза болған еди.
20Яҳуда урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Шеладан Шела тийреси, Перестен Перес тийреси, Зерахтан Зерах тийреси.
21Перестен тараған тийрелер мыналар: Хесроннан Хесрон тийреси, Хамулдан Хамул тийреси.
22Яҳуда урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 76 500 адам болды.

 

23Иссахар урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Толадан Тола тийреси, Пуўадан Пуўа тийреси, 24Яшубтан Яшуб тийреси, Шимроннан Шимрон тийреси.
25Иссахар урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 64 300 адам болды.

 

26Зебулон урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Середтен Серед тийреси, Элоннан Элон тийреси, Яхлеелден Яхлеел тийреси.
27Зебулон урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 60 500 адам болды.

 

28Юсуптиң уллары Менашше ҳәм Эфрайымнан келип шыққан тийрелер мыналар:
29Менашше урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Махирден Махир тийреси. Махир Гиладтың әкеси еди. Гиладтан Гилад тийреси.
30Гиладтан тараған тийрелер:
Иезерден Иезер тийреси, Хелектен Хелек тийреси, 31Асриелден Асриел тийреси, Шехемнен Шехем тийреси, 32Шемидадан Шемида тийреси, Хеферден Хефер тийреси.
33Хефердиң улы Селофехадтың ул перзентлери болмады, оның тек ғана Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса деген қызлары болды.
34Менашше урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 52 700 адам болды.
35Эфрайым урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Шутелахтан Шутелах тийреси, Бехерден Бехер тийреси, Таханнан Тахан тийреси.
36Шутелахтан тараған тийре:
Эраннан Эран тийреси.
37Эфрайым урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 32 500 адам болды.
Тийрелери бойынша Юсуптиң урпағынан келип шыққан тийрелер усылар еди.

 

38Бенямин урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Беладан Бела тийреси, Ашбелден Ашбел тийреси, Ахирамнан Ахирам тийреси, 39Шефуфамнан Шефуфам тийреси, Хуфамнан Хуфам тийреси.
40Беланың уллары Ард ҳәм Нааманнан келип шыққан тийрелер: Ардтан Ард тийреси, Нааманнан Нааман тийреси.
41Бенямин урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 45 600 адам болды.

 

42Дан урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар: Шухамнан Шухам тийреси.
Дан урыўынан тараған тийре усыдан ибарат еди.
43Дан урыўы Шухам тийресинен ибарат болып, олардың саны 64 400 адам болды.

 

44Ашер урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Имнадан Имна тийреси, Ишўийден Ишўий тийреси, Бериадан Бериа тийреси.
45Бериадан келип шыққан тийрелер: Хеберден Хебер тийреси, Малкиелден Малкиел тийреси.
46Ашердиң Серах атлы бир қызы бар еди.
47Ашер урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 53 400 адам болды.

 

48Нафталий урыўынан келип шыққан тийрелер мыналар:
Яхсеелден Яхсеел тийреси, Гунийден Гуний тийреси, 49Есерден Есер тийреси, Шиллемнен Шиллем тийреси.
50Нафталий урыўынан тараған тийрелер усылардан ибарат болып, олардың саны 45 400 адам болды.

 

51Солай етип, есаптан өткен израиллы ер адамлардың барлығы 601 730 адам болды.

 

52Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 53«Оларға адам саны бойынша жерди үлес етип бөлип бер. 54Адам саны көп болған урыўға үлкен, саны аз болған урыўға киши үлес жер бересең. Ҳәр бир урыўға есаптан өткен адам санына қарай жер үлеси берилсин. 55Жер шек бойынша бөлистирип берилсин. Ҳәр бир урыў өз үлес жерин бабасының аты бойынша алыўы тийис. 56Ҳәр бир урыўдың үлеси үлкен-кишисине қарап, шек бойынша бөлистирип берилсин».

 

57Тийрелери бойынша есаптан өткен Лебий урыўының урпақлары мыналар:
Гершон урпағынан Гершон тийреси, Қоҳат урпағынан Қоҳат тийреси, Мерарий урпағынан Мерарий тийреси.
58Мыналар да Лебийге тийисли тийрелер: Либний тийреси, Хеброн тийреси, Махлий тийреси, Муший тийреси, Қорах тийреси.
Қоҳат Амрамның әкеси еди. 59Амрамның ҳаялы Йохебед еди. Ол Лебий урыўынан болып, Мысырда туўылған еди. Йохебед Амрамға Харон ҳәм Муўса деген еки ул ҳәм Мәриям деген бир қыз туўып берген еди. 60Харонның Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар деген уллары бар еди. 61Надаб пенен Абиҳу Жаратқан Ийе буйырмаған отты Оның алдына алып келгени ушын өлген еди.

 

62Лебий урыўындағы бир айлық ҳәм оннан жоқары жастағы барлық ер адамлардың саны 23 000 болды. Олар басқа израиллылар менен бирге есаптан өтпеди. Өйткени оларға басқа израиллылар менен бир қатар үлес жер берилмеген еди.
63Моаб тегислигинде, Ерихо қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында Муўса менен руўханий Элазардың есаптан өткерген Израил халқы усылардан ибарат еди. 64Бирақ бул есаптан өткенлердиң арасында Муўса менен руўханий Харонның Синай шөлинде есаптан өткерген израиллылардан биреўи де жоқ еди. 65Себеби Жаратқан Ийе сол ўақытта олардың шөлде пүткиллей қырылып кететуғынын айтқан еди. Олардан Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш ким аман қалмаған еди.

 

27

 

Селофехадтың қызлары

 

1Юсуп улы Менашшениң урыўынан болған Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехад деген адамның қызлары бар еди. Олардың атлары Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса еди. 2Бир күни Селофехадтың қызлары Ушырасыў шатырының алдына, Муўсаның, руўханий Элазардың, көсемлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына келип, былай деди:
3– Әкемиз шөлде қайтыс болған еди. Ол Жаратқан Ийеге көтерилис қылған Қорахтың шериклеслериниң арасында болған жоқ еди, ал өз гүнасы себепли қайтыс болған еди. Оның ул перзенти болмады. 4Ул перзенти болмағаны ушын әкемиздиң аты өз тийреси арасынан өшип қалыўы керек пе? Әкемиздиң туўысқанлары менен қоса бизлерге де жер үлес бериң.
5Муўса олардың талабын Жаратқан Ийеге жеткерди. 6Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
7– Селофехадтың қызлары дурыс айтып атыр. Оларға әкесиниң туўысқанлары менен бир қатар мийрас қылып, үлес жер бер. Әкесиниң жер үлеси оларға берилсин. 8Израиллыларға былай деп айт: Егер ким де ким ул перзенти болмай қайтыс болса, оның мүлки қызына берилсин. 9Егер қызы болмаса, оның мүлки туўысқанларына берилсин. 10Егер оның туўысқанлары болмаса, әкесиниң туўысқанларына берилсин. 11Ал егер әкесиниң туўысқанлары болмаса, оның мүлки өзине ең жақын болған тийрелес ағайинине берилсин. Сол ағайини мийрасхор болсын. Муўсаға буйырғанымдай, бул израиллылар ушын қағыйда болып қалсын.

 

Ешуаның Муўсаның орнына тайынланыўы

 

12Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Абарим таўына шығып, израиллыларға беретуғын елге қара. 13Сол елди көргениңнен соң, әжағаң Харон сыяқлы сен де өлип, ата-бабаларыңа қосыласаң. 14Себеби Харон екеўиңиз де Син шөлинде буйрығыма қарсы шыққан едиңиз. Жәмийет суў бойында Маған көтерилис қылғанда, сизлер олардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпедиңлер, – деди. Бул ўақыя Син шөлинде, Қадештеги Мериба суўлары бойында болған еди.
15Муўса Жаратқан Ийеге былай деди:
16– Оҳ, Жаратқан Ийе, пүткил адамзатқа жан берген Қудай, бул жәмийетке бир басшы тайынла. 17Ол адам жәмийеттиң алдында жүрип, оларға басшылық қылсын. Солай етип, Жаратқан Ийениң, яғный Сениң жәмийетиң шопансыз қойлардай болып қалмасын.
18Сонда Жаратқан Ийе былай деди:
– Руўхый күшли адамды – Нун улы Ешуаны жаныңа ал ҳәм оған қолыңды қой. 19Соннан кейин, оны руўханий Элазар менен пүткил жәмийеттиң алдында шығарып, олардың көз алдында оны хызметке тайынла. 20Пүткил Израил жәмийети оған бойсыныўы ушын, Ешуаға өз бийлигиңнен бер. 21Бирақ Ешуа руўханий Элазардың алдына барып, хабарласатуғын болсын. Элазар Урим арқалы Ешуа ушын Мениң еркимди билип берсин. Усылай етип, Ешуа ҳәм пүткил Израил жәмийети барлық жағдайда усыған қарап ис тутсын.
22Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип орынлады. Ол Ешуаны руўханий Элазардың ҳәм пүткил жәмийеттиң алдына тик турғызып қойды. 23Кейин Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса Ешуаның үстине қолларын қойып, оны хызметке тайынлады.

 

28

 

Күнделикли қурбанлықлар

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға буйрық берип, былай деп айт: Маған усынатуғын ас садақаны хош ийисли сый ретинде белгиленген ўақытта алып келиң.
3Оларға және былай деп айт: Жаратқан Ийеге беретуғын сый мынадан ибарат: күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни бир жасар еки минсиз еркек тоқлы алып келиң. 4Тоқлылардың биреўин азанда, екиншисин кеште қурбанлық қылың. 5Ҳәр бир тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип төрттен бир ҳин[12] сапалы зәйтүн майы менен оннан бир эфа[13] сапалы уннан усының. 6Бул – Синай таўында буйырылған күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге, Маған хош ийисли сый болады. 7Ҳәр бир тоқлы менен бирге ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин[14] шарап усының. Ишимлик садақасын Жаратқан Ийеге арнап Мухаддес жерде қуйың. 8Екинши тоқлыны кеште қурбанлық қылың. Азанғы қурбанлық сыяқлы, бул қурбанлыққа қосып, белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақасын бериң. Бул қурбанлықты Жаратқан Ийеге, Маған хош ийисли сый ретинде усының.

 

Шаббат қурбанлықлары

 

9Ал Шаббат күни бир жасар минсиз еки еркек тоқлы менен бирге ғәлле садақасы етип зәйтүн майы араластырылған оннан еки эфа[15] сапалы ун ҳәм ишимлик садақасын бериң. 10Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары ҳәр Шаббат күни берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық усыдан ибарат.

 

Жаңа ай қурбанлықлары

 

11Ҳәр айдың биринши күни Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр бири минсиз болған еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының. 12Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы унды ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун, 13ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ҳәм жандырылатуғын қурбанлық болады. 14Ҳәр бир буға менен бирге ишимлик садақасы етип ярым ҳин[16], ҳәр бир қошқар менен бирге үштен бир ҳин[17], ҳәр бир тоқлы менен бирге төрттен бир ҳин[18] шарап усының. Бул жыл даўамында жаңа айда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық болады. 15Күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары, Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы ушын бир теке усының.

 

Қутқарылыў асы

 

16Жаратқан Ийениң Қутқарылыў асына арналған қурбанлық биринши айдың он төртинши күни шалынсын. 17Он бесинши күни жети күнлик байрам басланады, сизлер усы жети күн даўамында ашытқысыз нан жеўиңиз керек. 18Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысыңызды ислемең. 19Жаратқан Ийе ушын жандырылатуғын қурбанлық етип еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 20Ҳәр бир буға менен бирге ғәлле садақасы етип, зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 21ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан алып келиң. 22Өзлериңизди гүнадан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының. 23Буларды ҳәр күни азанда усынатуғын жандырылатуғын қурбанлығыңыз бенен бирге усының. 24Солай етип, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый етип, жети күн даўамында ҳәр күни ас садақасын усының. Буны күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасынан тысқары усының. 25Жетинши күни мухаддес жыйналыс қылып, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.

 

Ҳәптелер байрамында берилетуғын қурбанлықлар

 

26Дәслепки өнимди нышанлайтуғын Ҳәптелер байрамында Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа усынғаныңызда, мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. 27Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын еки буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. 28Бул қурбанлықларға қосып белгиленген муғдарда зәйтүн майы араластырылған сапалы уннан ғәлле садақасы етип усының: ҳәр бир буға менен оннан үш эфа ун, қошқар менен оннан еки эфа ун, 29ҳәр бир тоқлы менен оннан бир эфа ун. 30Өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бир теке усының. 31Бул қурбанлықларды ҳәм оған қосып берилетуғын ишимлик садақаларын күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле садақасынан тысқары усының. Қурбанлыққа алып келетуғын ҳайўанларыңыз минсиз болсын.

 

29

 

Кәрнай байрамы

 

1Жетинши айдың биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемең. Сол күни сизлер ушын кәрнай шертилетуғын күн болсын. 2Жаратқан Ийеге ийисли сый болыўы ушын минсиз бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының. 3Буға менен бирге ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа[19] сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа[20] сапалы ун, 4ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа[21] сапалы ун алып келиң. 5Өзлериңизди гүналардан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының. 6Қағыйда бойынша ҳәр бир айда ҳәм күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасы ҳәм ғәлле садақасынан тысқары усыларды қурбанлыққа бериң. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.

 

Гүналардан пәклениў күни усынылатуғын қурбанлықлар

 

7Жетинши айдың оныншы күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни ораза тутып, ҳеш қандай жумыс ислемең. 8Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық қылып усының. Қурбанлыққа берилетуғын бул ҳайўанлар минсиз болсын. 9Буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 10ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының. 11Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар гүналарыңыздан пәклениў ушын берилген гүна қурбанлығынан, күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик ҳәм ғәлле садақаларынан тысқары берилсин.

 

Қос байрамында берилетуғын қурбанлықлар

 

12Жетинши айдың он бесинши күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемең. Жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап байрам қылың. 13Биринши күни Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын он үш буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын. 14Ҳәр бир буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун, 15ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының. 16Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
17Екинши күни он еки буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 18Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 19Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
20Үшинши күни он бир буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 21Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 22Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
23Төртинши күни он буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 24Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 25Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
26Бесинши күни тоғыз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 27Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 28Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
29Алтыншы күни сегиз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 30Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 31Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
32Жетинши күни жети буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын. 33Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 34Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
35Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. 36Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын. 37Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының. 38Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
39Усы қурбанлықлардың барлығын – ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары жандырылатуғын қурбанлық болсын, ғәлле ҳәм ишимлик садақалар болсын, татыўлық қурбанлық болсын Жаратқан Ийеге белгиленген ўақытта алып келиң.

 

30

 

1Солай етип, Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырған ҳәр бир сөзин израиллыларға жеткерди.

 

Ўәделерге байланыслы қағыйдалар

 

2Муўса Израилдың урыў басшыларына былай деди:
– Жаратқан Ийе былай деп буйырды: 3Егер ким де ким Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, ол өз ўәдесин бузбай, айтқан сөзлериниң ҳәммесин орынласын.
4Егер бир қыз әкесиниң үйинде жасап атырған ўақтында, Жаратқан Ийеге ўәде берсе ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишсе, 5әкеси оның Жаратқан Ийеге берген ўәдесин ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситип, оған қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады. 6Ал егер қыздың әкеси оның берген ўәдесин ҳәм өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген антын еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Әкеси қызының антын қадаған қылғаны ушын, Жаратқан Ийе қызды кеширеди.
7Егер қыз ўәде бергеннен соң ямаса ойланбастан өзин бир нәрседен тыйыў ушын ант ишкеннен кейин турмысқа шықса, 8оның күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қарсы шықпаса, онда қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалады. 9Ал егер қыздың күйеўи усы ҳаққында еситкен күни қадаған қылса, қыздың берген ўәдеси ҳәм анты өз күшинде қалмайды. Жаратқан Ийе ҳаялды кеширеди.
10Жесир яки күйеўинен айырылысқан ҳаялдың берген ўәдеси ямаса өзин бир нәрседен тыйыў ушын берген анты өз күшинде қалады.
11Егер күйеўи менен бирге жасап атырған ҳаял ўәде берсе ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ант ишсе, 12оның күйеўи бул ҳаққында еситип, оған қарсы шықпаса, онда ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен ҳәр бир анты өз күшинде қалады. 13Ал егер оның күйеўи бул ҳаққында еситкен күни буны бийкарласа, ҳаялдың берген ўәдеси ҳәм ишкен анты өз күшинде қалмайды. Күйеўи буларды бийкарлағаны ушын, Жаратқан Ийе ҳаялды кеширеди. 14Солай етип, күйеўи ҳаялының берген ўәдесин ямаса бир нәрседен өзин тыйыў ушын ишкен антын орынлаўына рухсат бериўи де, оны бийкар қылыўы да мүмкин. 15Егер күйеўи бир күн ишинде бул мәселеде ҳаялына қарсы шықпаса, онда ҳаялының берген барлық ўәделерин ямаса бир нәрседе өзин тыйыўы ушын ишкен антын тастыйықлап, рухсат берген болады. Себеби ол буларды еситкен күни ҳаялына қарсы шықпай, оны мақуллаған болып есапланады. 16Бирақ күйеўи буларды еситкеннен кейин ертеңине бийкарласа, ол ҳаялының айыбына өзи жуўапкер болады.
17Ерли-зайыплылардың ҳәм әкеси менен үйинде жасап атырған қыздың арасындағы қарым-қатнасларға тийисли Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамлары усылардан ибарат.

 

31

 

Мидянлылардан өш алыў

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Мидянлылардан израиллылардың өшин ал, соннан кейин бул дүньядан көз жумып, өз ата-бабаларыңа қосыласаң.
3Соннан кейин, Муўса халыққа:
– Мидянлыларға барып, олардан Жаратқан Ийениң өшин алыў ушын өз адамларыңызды урысқа алып шығың. 4Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан урысқа жибериң, – деди.
5Солай етип, Израилдың ҳәр бир урыўынан мың адамнан, он еки мың адам таңлап алынып, урысқа таяр болып турды. 6Муўса оларды ҳәм руўханий Элазар улы Пинехасты урысқа жиберди. Пинехас өзи менен бирге мухаддес орынға тийисли базы буйымларды ҳәм дабыл қағып белги беретуғын кәрнайларды алып кетти.
7Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша мидянлыларға қарсы саўаш ашып, олардың барлық еркеклерин қырып таслады. 8Өлтирилгенлердиң арасында Мидянның бес патшасы – Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Реба да бар еди. Олар Беор улы Биламды да қылыш пенен өлтирди. 9Израиллылар мидян халқының ҳаяллары менен балаларын тутқын қылып, барлық малларын, сүриўлерин ҳәм мүликлерин олжа қылып алды. 10Мидянлылардың жасап атырған барлық қалалары менен ордаларына от берди. 11Олар адамларды, ҳайўанларды ҳәм олжа қылып алған барлық мүликлерди өзлери менен алып кетти. 12Бул тутқынларды ҳәм олжа қылып алған мал-мүликлерди Иордан дәрьясының бойына, Муўса менен руўханий Элазар ҳәм Израил жәмийети жыйналған Ерихо қаласының қарсысында жайласқан Моаб тегислигиндеги ордаға алып келди.
13Муўса, руўханий Элазар ҳәм жәмийет басшылары оларды қарсы алыў ушын орданың сыртына шықты. 14Бирақ Муўса саўаштан қайтқан орда сәркәрдаларына – мыңбасыларға ҳәм жүзбасыларға ғәзепленди.
15Муўса оларға былай деди:
– Не ушын барлық ҳаялларды аман қалдырдыңыз?! 16Бул ҳаяллар Биламның берген мәсләҳәти бойынша Пеор таўында израиллылардың Жаратқан Ийеге қыянет етиўине себеп болған еди. Сол себепли Жаратқан Ийениң жәмийети арасында өлим обасы ҳәўиж алған еди. 17Енди барлық ул балаларды ҳәм еркек көрген ҳаялларды өлтириң. 18Тек ғана еркекке жақынласпаған жас қызларды өзлериңиз ушын аман қалдырың.
19Соңынан араңыздағы адам өлтирген ямаса өлиге жантасқан ҳәр бир адам жети күн даўамында орданың сыртында қалсын. Үшинши ҳәм жетинши күни өзлериңизди де, тутқынларыңызды да пәклең. 20Және де, барлық кийимлерди, териден, ешки жүнинен ҳәм ағаштан исленген ҳәмме затларды пәклең.
21Кейин руўханий Элазар саўаштан қайтқан ләшкерлерге былай деди:
– Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған нызамының талаплары мыналардан ибарат: 22алтын, гүмис, мыс, темир, қалайы, қорғасын – 23отқа жанбайтуғын барлық затларды оттан өткерип, ҳадаллап алың, сонда олар ҳадал саналады. Соның менен бирге, оларды пәклеў суўы менен де ҳадаллаң. Отқа жанатуғын затларды суўдың өзи менен ҳадаллап алың. 24Жетинши күни кийимлериңизди жуўың. Сонда сизлер пәк саналасызлар. Кейин сизлер ордаға қайтып келиўиңизге болады.

 

Олжаға түскен мүликлердиң үлестирилиўи

 

25Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
26– Сен, руўханий Элазар ҳәм жәмийеттиң әўлад басшылары қолға түскен тутқынлар менен олжаға түскен малларды есаплап шығың. 27Қолға киргизгенлериңизди теңдей екиге бөлип, саўашқа қатнасқан ләшкерлер менен жәмийеттиң қалған адамларына бөлистирип бериң. 28Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң пайына түскен тутқынлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан Жаратқан Ийеге, Маған бес жүзден биреўин пай қылып айырып бериң. 29Әскерлерден алынған усы пайды Маған ажыратылған түрде руўханий Элазарға бериң. 30Израиллыларға түскен жарты пайдан – адамлардан, мал, ешек ҳәм майда малдан, яғный барлық ҳайўанлардан елиўден биреўин алып, Мениң Мухаддес шатырымның жумысына жуўапкер болған лебийлилерге бериң.
31Муўса менен руўханий Элазар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.
32Саўашқа қатнасқан ләшкерлердиң қолға киргизгенлеринен қалған олжалар мыналар еди:

 

 

675 000 майда мал,
3372 000 ири мал,
3461 000 ешек,
35еркекке жақынласпаған 32 000 қыз.

 

 

36-37Саўашқа қатнасқан ләшкерлерге түскен жарты пай мыналар:

 

 

337 500 майда мал, булардан Жаратқан Ийеге 675 ири мал пай қылып берилди,
3836 000 ири мал, булардан Жаратқан Ийеге 72 ири мал пай қылып берилди,
3930 500 ешек, булардан Жаратқан Ийеге 61 ешек пай қылып берилди,
4016 000 қыз, булардан Жаратқан Ийеге 32 қыз пай қылып берилди.

 

 

41Муўса Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай Жаратқан Ийеге ажыратылған пайды руўханий Элазарға берди.
42Муўсаның саўашқа қатнасқан ләшкерлерден алып, израиллыларға ажыратып берген жарты пайы мыналар:

 

 

43337 500 майда мал,
4436 000 ири мал,
4530 500 ешек,
4616 000 қыз.

 

 

47Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Муўса израиллыларға түскен жарты пайдан ҳәр елиў адамнан ҳәм ҳәр елиў ҳайўаннан биреўин алып, Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының хызметине жуўапкер болған лебийлилерге берди.
48Соннан кейин, орда сәркәрдалары – мыңбасылар менен жүзбасылар Муўсаның алдына барып:
49– Мырза, қол астымыздағы ләшкерлерди санап шықтық, бир де бир ләшкеримизди жойтпаппыз. 50Мине, қолға киргизген алтын буйымларымызды – қолға тағылатуғын шынжыр, билезик, жүзик, сырға ҳәм дизбе моншақларымызды алып келдик. Жанымыздың қуны сыпатында усыларды Жаратқан Ийеге беремиз, – деди.
51Муўса менен руўханий Элазар олар алып келген барлық алтын буйымларды алды. 52Мыңбасы менен жүзбасылар Жаратқан Ийеге берген алтынның аўырлығы барлығы болып 16 750 шекел. 53Саўашқа қатнасқан ҳәр бир ләшкер болса, олжаларын өзлерине қалдырған еди.
54Муўса менен руўханий Элазар мыңбасы ҳәм жүзбасылардың усынған алтынларын қабыллап алды. Оларды Жаратқан Ийениң Израил халқын ҳәмме ўақытта еслеп турыўы ушын Ушырасыў шатырына алып келди.

 

32

 

Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде орналасқан урыўлар

 

1Рубен ҳәм Гад урыўларының маллары жүдә көп еди. Олар Язер ҳәм Гилад жерлериниң мал шарўашылығы ушын қолайлы жер екенин көрип, 2Муўса менен руўханий Элазардың ҳәм жәмийет басшыларының алдына барып, былай деди:
3– Атарот, Дибон, Язер, Нимра, Хешбон, Элале, Себам, Небо ҳәм Беон қалалары 4жайласқан елди Жаратқан Ийе Израил халқына жеңип берди. Бул елдиң жери маллар ушын қолайлы екен. Ал қулларыңыз болған бизлерде малларымыз бар. 5Егер де сениң кеўлиңди тапқан болсақ, бизлерди Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткизбей, бул елди мүлик етип, бизлерге бер.
6Муўса оларға былай деп жуўап берди:
– Туўысқанларыңыз саўашқа баратырғанда, сизлер усы жерде қалажақсыз ба? 7Жаратқан Ийениң берип атырған жерине кириўге израиллыларды не ушын айнытып атырсызлар? 8Мен ата-бабаларыңызды елди көзден өткериўге Қадеш-Барниядан жибергенимде, олар да тап усындай қылған еди. 9Олар Эшкол сайына дейин барып, елди көзден өткергеннен соң, Жаратқан Ийениң өзлерине беретуғын жерге бармаўы ушын израиллыларды айнытқан еди. 10Сол күни Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, былай деп ант ишкен еди: 11«Мысыр жеринен шыққан жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы адамлардың ҳеш бири Мениң Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Өйткени олар пүткил жүреги менен Маған бойсынбады. 12Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб пенен Нун улы Ешуадан басқа ҳеш бири ол жерди көрмейди. Себеби Калеб ҳәм Ешуа пүткил жүреги менен Маған садық қалды». 13Жаратқан Ийе израиллыларға қатты ғәзепленди. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўызлық болған ислерди қылған сол әўладтың пүткиллей жоқ болып кеткенинше, оларды қырқ жыл шөлде алып жүрди.
14Енди, мине, гүнакарлар әўлады болған сизлер әкелериңиздиң орнын басып, Жаратқан Ийениң Израилға болған ғәзебин күшейтип атырсызлар. 15Егер Оннан жүз бурсаңыз, Ол пүткил бул халықты және шөлге таслап кетеди. Солай етип, сизлер усы халықты жоқ қылажақсызлар.
16Бирақ Гад ҳәм Рубен урыўы Муўсаның қасына жақынлап, былай деди:
– Бизлердиң усы жерде малларымыз ушын қоралар соғып, бала-шағаларымыз ушын қалалар қурыўымызға рухсат бер. 17Ал өзлеримиз болса қуралланып, израиллылар менен бирге барып, олардың мәкан қылатуғын жерин ийелеп алғанға дейин, олардың алдында жүремиз. Бала-шағаларымыз елдиң турғынларынан қәўипсиз болған қорған қалаларда жасай берсин. 18Ҳәр бир израиллы өз мүлкин ийелемегенше, бизлер үйлеримизге қайтпаймыз. 19Иордан дәрьясының арғы жағасында олар менен бирге жер үлестен алмаймыз, себеби бизлердиң үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болады.
20Муўса оларға былай деп жуўап берди:
– Егер сизлер айтқанларыңызды орынлайтуғын болсаңыз, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа барыў ушын қуралланың. 21Жаратқан Ийе душпанларын қуўып жибермегенше, ҳәммеңиз Оның алдында қуралланып, Иордан дәрьясының арғы жағасына өтиң. 22Пүткил сол ел Жаратқан Ийе ушын басып алынғаннан соң, сизлер Жаратқан Ийе ҳәм Израил халқы алдындағы миннетиңизден азат боласызлар. Сонда сизлер усы жерге қайтып келиўиңизге болады ҳәм бул жер Жаратқан Ийениң алдында сизлердиң мүлкиңиз болып қалады.
23Бирақ айтқанларыңызды орынламасаңыз, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген боласызлар ҳәм бул гүнаңыз өз басыңызға жетеди. 24Бала-шағаларыңыз ушын қалалар қурып, малларыңыз ушын қоралар соғың. Деген менен, берген ўәдеңизде турың.
25Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары Муўсаға былай деди:
– Мырзамыз, сиз не буйырсаңыз, қулларыңыз болған бизлер соны орынлаймыз. 26Бала-шағамыз, малларымыз ҳәм ҳайўанларымыз усы жерде, Гилад қалаларында қалады. 27Ал қулларыңыз болған бизлер сизиң буйырғаныңыздай, ҳәр биримиз қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында саўашқа түсиў ушын дәрьяның арғы жағасына өтемиз.
28Соннан кейин, Муўса Гад ҳәм Рубен урыўлары ҳаққында руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм Израил урыўларының әўлад басшыларына буйрық берип, 29былай деди:
– Егер Гад ҳәм Рубен урыўларынан қуралланған адамлар Жаратқан Ийениң алдында сизлер менен бирге Иордан дәрьясының арғы жағасына өтсе ҳәм сизлер сол елди қолға киргизсеңиз, онда Гилад үлкесин мүлик қылып, оларға бериң. 30Бирақ, егер де олар қуралланып, сизлер менен бирге дәрьяның арғы жағасына өтпесе, онда олар Кенаан үлкесинен сизлер менен бирге үлес жер алады.
31Сонда Гад ҳәм Рубен урыўларының адамлары:
– Жаратқан Ийе қулларыңыз болған бизлерге қандай буйрық берген болса, соның ҳәммесин орынлаймыз. 32Бизлер қуралланып, Жаратқан Ийениң алдында Кенаан үлкесине барамыз. Ал бизлердиң алатуғын жер үлесимиз Иордан дәрьясының шығыс жағасында болсын, – деди.
33Солай етип, Муўса Гад пенен Рубен урыўларына ҳәм Юсуп улы Менашше урыўының жартысына амор халқының патшасы Сихонның ели менен Башан патшасы Огтың елин ҳәм олардың қалалары менен қала дөгерегиндеги жерлерди берди.
34Гад урыўы Дибон, Атарот, Ароер, 35Атрот-Шофан, Язер, Йогбоҳа, 36Бейт-Нимра ҳәм Бейт-Ҳаран деген қорғанлы қалаларын жаңадан қурды, маллары ушын қоралар соқты. 37Рубен урыўы Хешбон, Элале, Кирятайым, 38атлары өзгертилген еки қала Небо менен Баал-Меон ҳәм Сибма қалаларын қайта қурды. Олар тиклеген қалаларына жаңадан ат қойды.
39Менашшениң улы Махирдиң әўладлары Гиладқа барды ҳәм оны ийелеп алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып шығарды. 40Солай етип, Муўса Гиладты Менашше улы Махирдиң әўладына берди. Олар сол жерге қоныс басты. 41Менашшениң улы Яир бир неше қалаларға ҳүжим етип, оларды ийелеп алды. Сол жерлерди Яирге тийисли қалалар деп атады. 42Нобах та Кенат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды ийелеп алып, ол жерди өзиниң аты менен Нобах деп атады.

 

33

 

Мысырдан Моабқа дейинги жүрген жол

 

1Муўса ҳәм Харонның жетекшилиги астында топ-тобы менен Мысырдан шыққан израиллылар төмендеги жоллар менен жүрип өтти. 2Муўса Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша көшип-қонып жүрген жолларында қоныс басқан жерлериниң атларын жазып барды. Бул жерлер мыналар еди:
3Израиллылар Қутқарылыў қурбанлығын бергеннен кейинги күни, биринши айдың он бесинши күни мысырлылардың көз алдында нық қәдем атып, Рамсес қаласынан жолға шықты. 4Сол ўақытта мысырлылар Жаратқан Ийениң өлтирген туңғыш улларын жерлеп атырған еди. Себеби Жаратқан Ийе олардың қудайларын жазалаған еди.
5Солай етип, израиллылар Рамсестен жолға шығып кеткеннен кейин, олар Суккотқа орналасты.
6Кейин олар Суккоттан шығып, шөлдиң шетиндеги Этамға орналасты.
7Этамнан шығып, олар Баал-Сефонның шығысындағы Пий-Ҳахиротқа қарай бурылып, Мигдолға жақын жерге орналасты.
8Пий-Ҳахироттан шығып, теңиз арқалы өтип, шөлге қарай жол алды. Этам шөлинде үш күн жол жүргеннен соң, олар Мараға орналасты.
9Марадан шығып, олар он еки суў булағы ҳәм жетпис пальма ағашы болған Элимге барып, сол жерде орналасты.
10Олар Элимнен шығып, Қамыс теңизиниң бойына орналасты.
11Қамыс теңизиниң бойынан шығып, Син шөлине орналасты.
12Син шөлинен шығып, олар Дофқаға орналасты.
13Дофқадан шығып, Алушқа орналасты.
14Алуштан шығып, Рефидимге орналасты. Бирақ ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди.
15Рефидимнен шығып, Синай шөлине орналасты.
16Синай шөлинен шығып, Киброт-Ҳаттааўаға орналасты.
17Киброт-Ҳаттааўадан шығып, Хасеротқа орналасты.
18Хасероттан шығып, Ритмаға орналасты.
19Ритмадан шығып, Риммон-Переске орналасты.
20Риммон-Перестен шығып, Либнаға орналасты.
21Либнадан шығып, Риссаға орналасты.
22Риссадан шығып, Кеҳелатаға орналасты.
23Кеҳелатадан шығып, Шефер таўына орналасты.
24Шефер таўынан шығып, Харадаға орналасты.
25Харададан шығып, Мақҳелотқа орналасты.
26Мақҳелоттан шығып, Тахатқа орналасты.
27Тахаттан шығып, Терахқа орналасты.
28Терахтан шығып, Митқаға орналасты.
29Митқадан шығып, Хашмонаға орналасты.
30Хашмонадан шығып, Мосеротқа орналасты.
31Мосероттан шығып, Бене-Яақанға орналасты.
32Бене-Яақаннан шығып, Хор-Ҳагидгадқа орналасты.
33Хор-Ҳагидгадтан шығып, Йотбатаға орналасты.
34Йотбатадан шығып, Абронаға орналасты.
35Абронадан шығып, Эсион-Геберге орналасты.
36Эсион-Геберден шығып, Син шөлиндеги Қадешке орналасты.
37Қадештен шығып, олар Эдом шегарасындағы Ҳор таўының қасына орналасты.
38Руўханий Харон Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Ҳор таўына шығып, сол жерде қайтыс болды. Бул ўақыя израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин қырқыншы жылы, бесинши айдың биринши күнинде болды. 39Харон Ҳор таўында қайтыс болғанда 123 жаста еди.
40Кенаан елиниң Негебте жасайтуғын кенаанлы Арад патшасы израиллылардың сол жерге келгенинен хабар тапты.
41Израиллылар Ҳор таўынан шығып, Салмонаға орналасты.
42Салмонадан шығып, Пунонға орналасты.
43Пуноннан шығып, Оботқа орналасты.
44Оботтан шығып, Моаб шегарасындағы Ийе-Абаримге орналасты.
45Ийе-Абаримнен шығып, Дибон-Гадқа орналасты.
46Дибон-Гадтан шығып, Алмон-Диблатайымға орналасты.
47Алмон-Диблатайымнан шығып, Небоға жақын Абарим таўларында орналасты.
48Абарим таўларынан шығып, Иордан дәрьясының бойына, Ерихоға қарама-қарсы жайласқан Моаб тегислигине орналасты. 49Олар Моаб тегислигинде Иордан бойлап, Бейт-Ешимоттан Абел-Шиттимге дейин орналасып барды.

 

Иордан дәрьясынан өтпестен алдын берилген көрсетпелер

 

50Сол жерде, Иордан бойында, Ерихоға қарама-қарсы жайласқан Моаб тегислигинде Жаратқан Ийе Муўсаға былай деп айтты:
51– Израиллыларға былай деп айт: Сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Кенаан елине киргениңизде, 52сол елде жасайтуғын барлық халықты қуўып жибериң, бут сүўретлерин ҳәм мүсинлерин жоқ қылып, сыйыныў орынларын бузып таслаң. 53Елди ийелеп алып, ол жерге орналасып алың, өйткени Мен сизлерге сол жерди мүлик қылып бердим. 54Жерлерди урыўлар ара шек таслап бөлисип алың. Үлкен урыўға үлкен үлес жер, киши урыўға киши үлес жер бериң. Шек бойынша кимге қайсы жер түссе, сол жер сол урыўға тийисли болады. Үлес жерлерди ата-бабаларыңыздан тараған урыўлар бойынша бөлистирип бериң.
55Егер сол елдиң турғынларын қуўып шығармасаңыз, онда сол жерде қалған халық көзлериңизге түскен шөп, бүйирлериңизге кирген тикендей болады. Олар жасайтуғын жериңизде сизлерди қысқыға алады. 56Сонда Мен оларға не ислеўди нийетлеген болсам, сизлерге соны ислеймен.

 

34

 

Кенаан елиниң шегаралары

 

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға былай деп буйыр: Сизлерге мүлик етип берилетуғын Кенаан елине киргениңизде, оның шегаралары мынадай болады:
3Сизлердиң қубла тәрептеги шегараңыз Син шөлинен Эдом шегарасы бойлап созылады. Бул қубла шегараңыз шығыстағы Өли теңиздиң шетинен басланады. 4Оннан кейин Ақраббим бийиклигиниң қубласынан Син арқалы өтип, Қадеш-Барнияның қубласына дейин созылады. Ол жерден шегара Хасар-Аддар арқалы өтип, Асмонға дейин барады. 5Кейин сол жерден бурылып, Мысыр шегарасындағы сайға дейин созылып, Жер Орта теңизине барып таўысылады.
6Батыс шегараңыз Жер Орта теңизиниң жағасы болады. Батыстағы шегараңыз усыдан ибарат.
7Арқа шегараңыз Жер Орта теңизинен Ҳор таўына дейин созылады. 8Ҳор таўынан Лебо-Хаматқа дейин, кейин Седадқа дейин барып, 9Зифронға дейин созылады ҳәм Хасар-Энанда таўысылады. Арқадағы шегараңыз усыдан ибарат.
10Шығыс шегараңыз Хасар-Энаннан басланып, Шефамға дейин созылады. 11Кейин шегара Шефамнан Айынның шығыс тәрепиндеги Риблаға дейин барады. Ол жерден Киннерет көлиниң[22] шығыс жағындағы жанбаўырларға дейин созылады. 12Соннан кейин, шегара ол жерден Иордан дәрьясы бойынша созылып, Өли теңизге барып тоқтайды. Ҳәр тәрептеги елиңиздиң шегаралары усы болады.
13Соннан кейин, Муўса израиллыларға:
– Мине, мүлик қылып, шек бойынша бөлисип алатуғын ел усы болады. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бул ел тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына бөлистирип бериледи. 14Өйткени Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы өзлерине тийисли жер үлесин әўладлары бойынша бөлисип алды. 15Бул еки урыў менен ярым урыў Ерихоның қарсысындағы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен өз мүликлерин алды, – деди.

 

Жерди бөлистирип бериўге жуўапкер жетекшилер

 

16Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
17– Руўханий Элазар ҳәм Нун улы Ешуа Израил халқына елди бөлистирип берсин. 18Елди бөлистириў ушын ҳәр бир урыўдан бир жетекшиден алып, хызметке қойың. 19Сол адамлардың атлары мыналар:

 

 

Яҳуда урыўынан Ефунне улы Калеб,
20Шимон урыўынан Аммиҳуд улы Самуел,
21Бенямин урыўынан Кислон улы Элидад,
22Дан урыўынан Йоглий улы басшы Буккий,
23Юсуп улы Менашше урыўынан Эфод улы басшы Ханниел,
24Эфрайым урыўынан Шифтан улы басшы Кемуел,
25Зебулон урыўынан Парнах улы басшы Элисафан,
26Иссахар урыўынан Аззан улы басшы Палтиел,
27Ашер урыўынан Шеломий улы басшы Ахиҳуд,
28Нафталий урыўынан Аммиҳуд улы басшы Педаел.

 

 

29Кенаан жерин Израил халқына мүлик етип бөлистирип бериң, деп Жаратқан Ийе усы адамларға буйырған еди.

 

35

 

Лебийлилерге берилген қалалар

 

1Жаратқан Ийе Иордан дәрьясының бойында, Ерихо қарсысында жайласқан Моаб тегислигинде Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға буйыр, олар алатуғын үлес жеринде лебийлилердиң жасаўы ушын қалалар ажыратып берсин. Соның менен бирге, қалалардың әтирапындағы жайлаўларды да берсин. 3Солай етип, лебийлилердиң жасаўы ушын қалалары ҳәм олардың пада, сүриўлери менен басқа да ҳайўанлары ушын жайлаўлары болсын.
4Лебийлилерге берилетуғын қалалардың айлана әтирапындағы жайлаўлар қала қорғанынан баслап мың шығанақ[23] узынлыққа созылған болсын. 5Қала ортада жайласқан болып, оның сыртынан баслап, шығысқа, қублаға, батысқа ҳәм арқаға қарай еки мың шығанақтан[24] өлшеп шығың. Булар қалалар ушын жайлаўлар болады.

 

Паналайтуғын қалалар

 

6Лебийлилерге берилетуғын қалалардан алтаўы паналайтуғын қала болсын. Солай етип, адам өлтириўшиниң сол жерге қашыўына жол қоясызлар. Усы алты қаладан тысқары лебийлилерге қырқ еки қала берилсин. 7Барлығы болып, лебийлилерге жайлаўлары менен бирге қырқ сегиз қала бересизлер. 8Израиллылардың үлес жеринен лебийлилерге берилетуғын қалалар ҳәр бир урыўға түскен пайына ылайықлы болсын. Көп алған урыў көп, аз алған урыў аз сандағы қала берсин.
9Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесиўин даўам етип, былай деди:
10– Израиллыларға былай деп айт: Иордан дәрьясынан өтип, Кенаан елине киргениңизден кейин, 11паналайтуғын қалаларды таңлап алың. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол паналайтуғын қалаға қашып кете алатуғын болсын. 12Бул қалалар адам өлтирип қойған адамның жәмийет алдында ҳүким етилмесинен алдын өлтирилмеўи ушын, оның өш алыўшы әменгерден қашып, паналайтуғын жери болады. 13Сизлер ажырататуғын алты қала паналайтуғын қала болсын. 14Паналайтуғын қалалардың үшеўи Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен, қалған үшеўи Кенаан жеринен таңлап алынсын. 15Бул алты қала израиллылар ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер менен жат жерли адамлар ушын паналаў қаласы болсын. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол жерге қашып барсын.
16Егер ким де ким темир қурал менен бир адамды урып өлтирип қойса, онда урған адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 17Егер тас пенен биреўди урып, оны өлтирсе, өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 18Ямаса ол ағаш буйым менен биреўди урып, оны өлтирсе, онда өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин. 19Өлген адамның өш алыўшы адамы қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин. 20Сондай-ақ егер бир адам биреўди жек көргенликтен ийтерип жиберип ямаса билқастан оған қарай бир нәрсени ылақтырып, ол адамды өлтирсе, 21ямаса өшегисип, оны мушы менен урып өлтирсе, урған адам сөзсиз өлтирилсин. Өйткени ол қанхор. Өлген адамның өшин алыўшы адам қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
22Егер ким де ким бир адамды өшегисип емес, ал абайсыздан ийтерип жиберсе, ямаса оған қарай билместен бир нәрсени ылақтырып жиберсе, 23ямаса оны көрмей қалып, үстине бир тасты түсирип алып, оны өлтирип қойса, бирақ өлтирип қойған адам оған душпан болмай, оған жаўызлық ойламаған болса, 24жәмийет адам өлтирип қойған менен өш алыўшы әменгердиң арасында усы қағыйдалар бойынша қарар шығарсын. 25Жәмийет адам өлтирип қойған адамды өш алыўшы әменгердиң қолынан қорғаўы керек ҳәм оны қашып келген паналайтуғын қалаға қайтадан қайтарып жиберсин. Ол адам мухаддес май менен майланған бас руўханийдиң өлимине дейин сол жерде жасап қалсын.
26Бирақ адам өлтириўши қашып барған паналайтуғын қаланың шегарасынан шықса, 27өш алыўшы әменгер де оны паналайтуғын қаланың шегарасының сыртында көрип қалса, өш алыўшы әменгер адам өлтириўшини өлтирсе, ол айыплы саналмайды. 28Өйткени адам өлтириўши бас руўханийдиң өлимине дейин паналайтуғын қала ишинде болыўы керек. Тек ғана бас руўханийдиң өлиминен соң өз жерине қайтыўына болады.
29Қай жерде жасасаңыз да булар әўладлар даўамында сизлер ушын қағыйда болсын.
30Адам өлтириўши гүўалардың айтқан сөзлери бойынша өлим жазасына тартылсын. Тек бир адамның ғана гүўалығы менен ҳеш ким өлтирилмесин.
31Өлимге ылайықлы қанхордың жанын қутқарыў ушын қун алмаң, ол сөзсиз өлтирилсин.
32Паналайтуғын қалаға қашқан адам қун төлеп, бас руўханийдиң өлиминен алдын өз жерине қайтып барып жасаўына рухсат бермең.
33Өзлериңиз жасап атырған елди ҳарамламаң. Қан төгиўшилик елди ҳарамлайды. Ишинде қан төгилген жер тек ғана қан төккен адамның қаны менен пәкленеди.
34Өзлериңиз ишинде жасап атырған ҳәм Мен ишинде болып атырған жерди ҳарамламаң. Себеби Мен израиллылардың арасында жасайтуғын Жаратқан Ийемен.

 

36

 

Селофехадтың қызларының үлес жери

 

1Бир күни Юсуп улы Менашше урыўынан Махир улы Гилад әўладынан болған басшылар Муўсаның ҳәм Израилдың тийре басшыларының алдына келип, оларға былай деди:
2– Жаратқан Ийе елди мүлик етип, шек бойынша израиллылар арасында үлестириў ушын мырзамыз Муўсаға буйрық берди. Туўысқанымыз Селофехадтың мүлки қызларына берилиўи ушын да буйрық берилген еди. 3Деген менен, егер Селофехадтың қызлары басқа бир Израил урыўына тийисли еркеклерге турмысқа шықса, олардың мүликлери күйеўлери тийисли болған урыўдың мүлкине өтип кетеди. Сонда урыўымыз шек бойынша алған жер үлесиниң бир бөлегинен айырылып қалады. 4Ҳәттеки, израиллылардың Қутлы жылы белгиленгенде де, қызлардың мүлки урыўымызға қайтарылмай, күйеўлери тийисли болған урыўда қалып кетеди. Солай етип, олардың мүликлери бабаларымыздың урыўына түскен мүликтен алынып, бир бөлек жеримизден айырылып қаламыз.
5Муўса Жаратқан Ийениң сөзи бойынша израиллыларға былай деп буйрық берди:
– Юсуп әўладынан болған адамлардың айтқанлары дурыс. 6Жаратқан Ийе Селофехадтың қызлары ҳаққында мынадай буйрық береди: Селофехадтың қызлары қәлеген жигитке турмысқа шығыўына болады, бирақ бул жигитлер әкесиниң урыўынан ҳәм тийресинен болыўы шәрт. 7Израил халқының мүлик етип алған жери бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпесин. Ҳәр бир израиллы өз урыўының мүлкин сақлап қалсын. 8Израилдағы ҳәр бир урыўдағы жер мүлкине мийрасхор болған қыз әкеси тийисли болған урыў ҳәм тийресиндеги жигитке турмысқа шықсын. Солай етип, ҳәр бир израиллы ата-бабаларының мүлкине өзлери ийелик етип қалсын. 9Сонда мүлик бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпейди. Ҳәр бир Израил урыўы өзлерине алған мүликти сақлап қалсын.
10Селофехадтың қызлары Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай иследи. 11Селофехадтың қызлары Махла, Тирса, Хогла, Милка ҳәм Ноа өз аталас ағаларына турмысқа шықты. 12Солай етип, олар Юсуп улы Менашше урпағынан болған жигитлерге турмысқа шықты ҳәм олардың мүликлери әкелери тийисли болған тийре ҳәм урыўда қалды.
13Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Моаб тегислигинде, Ерихо қаласының қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында израиллыларға берген буйрық ҳәм нызамлары усылардан ибарат еди.

 

 

 

Нызамның қайталаныўы

1

 

Израиллылардың Хореб таўынан жолға шығыўы

 

1Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы шөлде израиллыларға төмендеги сөзлерди айтты. Бул шөл Суфтың қарама-қарсысындағы Иордан тегислигинде, Паран менен Тофел, Лабан, Хасерот ҳәм Дий-Заҳаб арасында жайласқан еди. 2Хоребтен Сеирдиң таўлы жерине алып баратуғын жол менен жүргенде, Қадеш-Барнияға дейин он бир күнлик жол еди. 3Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин, қырқыншы жылдың он биринши айының биринши күни Муўса оларға Жаратқан Ийениң буйырған сөзлерин жәриялады. 4Буннан алдын Муўса Хешбонда ҳүкимдарлық қылған амор халқының патшасы Сихонды, Аштаротта ҳәм Эдрейде ҳүкимдарлық қылған Башан патшасы Огты жеңилиске ушыратқан еди.
5Муўса Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы Моаб жеринде Жаратқан Ийениң нызамын былай деп түсиндире баслады:
6«Қудайымыз Жаратқан Ийе Хоребте бизлерге былай деди: „Бул таўда узақ ўақыт турып қалдыңыз. 7Қәнекей, жолға шығыңлар. Амор халқының таўлы үлкесине ҳәм сол жерге қоңсылас болған барлық еллерге: Иордан тегислигине, таўлы үлкеге, батыстағы таў етеклерине, Негебке ҳәм Жер Орта теңизиниң бойларына кирип барыңлар. Яғный, пүткил Кенаан ели менен Лебанонға, және де, уллы Евфрат дәрьясына дейин барыңлар. 8Сол жерлерди сизлерге берип атырман. Барыңлар, ата-бабаларыңызға – Ибрайымға, Ысаққа, Яқыпқа ҳәм олардың әўладларына беремен деп ант ишкен жерлерди мүлик етип алыңлар“.

 

Муўсаның қазыларды тайынлаўы

 

9Сол ўақытта сизлерге былай деп айттым: „Сизлерди бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби сизлер мен ушын аўыр жүк боласызлар. 10Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди көбейтти. Мине, бүгинликте аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз болып, көбейдиңиз. 11Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе ўәде бергениндей, сизлерди еле де мың есе көбейтсин ҳәм жарылқасын! 12Бирақ сизлердиң аўыр жүклериңиз бенен даўларыңызды бир өзим қалайынша көтеремен? 13Енди ҳәр бир урыўдан дана, ақыллы ҳәм тәжирийбели адамларды таңлап алыңлар. Оларды сизлерге басшы етип тайынлайман“.
14Сизлер де буны жақсы деп мақулладыңыз. 15Сонда урыўларыңыздан дана ҳәм тәжирийбели болған адамларды сизлерге мыңбасы, жүзбасы, елиўбасы, онбасы ҳәм базыларын жәмийеттиң қадағалаўшылары етип тайынладым. 16Сол ўақытта тайынланған қазыларға былай деп буйырған едим: „Туўысқанларыңыздың арасындағы даўларға қулақ салың. Бир адамның израиллы туўысқаны менен ямаса келгинди бир адам менен болған даўларын әдиллик пенен шешиң. 17Ҳүким ўақтында бир тәреплилик қылмаң, бай адамға да, жарлы адамға да қулақ салың. Ҳеш кимнен қорқпаң, өйткени ҳүким Қудайдандур. Өзлериңиз шеше алмаған бир мәселе болса, маған алып келиң, оны өзим шешемен“. 18Сол ўақытта сизлерге ислеўиңиз керек болған ҳәр бир исти тапсырған едим.

 

Халықтың жансызларды жибериўи

 

19Соннан кейин, Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге буйырғанындай, бизлер Хореб таўынан шығып, амор халқының таўлы үлкесине баратуғын жолдан жүрип, өзлериңиз көрген кең ҳәм қорқынышлы шөл арқалы Қадеш-Барнияға бардық. 20Сол жерде мен сизлерге: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге берип атырған амор халқының таўлы үлкесине жетип келдик. 21Қараңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы жерлерди сизлерге берди. Қәне, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай, барып ол жерди мүлик етип алыңлар. Қорқпаңлар, қәўетерге түспеңлер“, – дедим.
22Ал сизлер ҳәммеңиз маған келип, былай дедиңлер: „Елди аралап, көзден өткерип шығыў ушын, алдымыздан жансызларды жиберейик. Олар қайсы жолдан баратуғынымызды ҳәм баратуғын сол қалалар ҳаққында хабар алып келсин“.
23Бул пикир маған да мақул болды. Солай етип, араңыздан он еки адамды, ҳәр бир урыўдан бир адамнан таңлап алдым. 24Олар таўлы үлкеге көтерилди ҳәм Эшкол сайына барып, елди аралап шықты. 25Қайтып киятырып, сол жердиң жетистирген мийўелеринен алып келди. Олар: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң бизлерге берип атырған жери жақсы екен“, – деди.
26Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шығып, ол жерге барыўды қәлемедиңиз. 27Сонда өз шатырларыңызда тоңқылдап, былай дедиңиз: „Жаратқан Ийе бизлерди жек көреди. Ол бизлерди аморларға тәслим қылып, жоқ етиў ушын Мысырдан алып шықты. 28Ол жерге не ушын баратырмыз? Туўысқанларымыз ол жердеги халықтың бизлерден гөре жүдә күшли ҳәм бойлары да бәлент екенин айтып, руўхымызды түсирип жиберди. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған, ҳәттеки, ол жерде Анақ әўладынан шыққан дәў адамларды да көрген екен“.
29Сонда мен сизлерге былай дедим: „Олардан қорқпаңлар, қәўетерге де түспеңлер. 30Алдыңызда баратырған Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мысырда урысқандай, сизлер ушын урысады. 31Қудайыңыз Жаратқан Ийе шөлде сизлерге ғамхорлық қылып келди. Ол әкениң өз баласын алып жүргениндей, сизлерди усы жерге дейин жол бойы көтерип келди. 32Сонда да сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исенбей атырсыз. 33Ал Ол болса, шатырларыңызды қурыўға жер излеў ушын, жүретуғын жолыңызды көрсетип түнде от, күндиз булт ишинде алдыңызда жүрип келди“.

 

Жаратқан Ийениң Израил халқын жазалаўы

 

34Жаратқан Ийе сизлердиң сөзлериңизди еситип, ғәзепленди ҳәм ант ишип былай деди: 35„Ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен сол жақсы жерди усы жаман әўладтың ҳеш бири көрмейди. 36Сол жерди тек ғана Ефунне улы Калеб көреди. Аяқ басқан жерлерин оған ҳәм оның әўладына беремен. Өйткени ол пүткил жүреги менен Жаратқан Ийеге, яғный Маған садық қалды“.
37Жаратқан Ийе сизлер себепли маған да ғәзепленип, былай деди: „Сен де сол жерге кирмейсең. 38Бирақ жәрдемшиң Нун улы Ешуа ол жерге киреди. Оны жигерлендир. Израиллыларға жерди мүлик етип, алып беретуғын адам Ешуа болады. 39Сонда сизлер балаларымыз тутқын болады деп, айтқан едиңиз. Бүгинликте сол ақ пенен қараны айыра алмайтуғын балаларыңыз сол елге киреди. Елди оларға беремен, сол жерди олар мүлик етип, ийелейди. 40Ал сизлер артыңызға қайтыңлар, Қамыс теңизине баратуғын жолдан шөлге кетиңлер“.
41Сонда сизлер маған: „Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик. Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып урысамыз“, – дедиңиз. Сизлер сол таўлы үлкени басып алыў аңсат болады, деп ойлап, ҳәр бириңиз қуралларыңызды алдыңыз.
42Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Оларға айт, урысыўға шықпасын. Себеби Мен сизлер менен бирге емеспен. Душпаныңыздан жеңилип қаласыз“.
43Сизлерди ескерткен едим, бирақ қулақ салмадыңыз. Жаратқан Ийениң буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер менменликке берилип, урысыў ушын таўлы үлкеге шықтыңыз. 44Таўлы үлкеде жасайтуғын аморлар сизлерге қарсы шығып, олар пал ҳәррелериндей болып, изиңизден қуўды. Олар Сеирден Хорма қаласына дейин сизлердиң изиңизден қуўып қыйратты. 45Аман қалғанларыңыз қайтып келип, Жаратқан Ийениң алдында жыладыңыз. Бирақ Жаратқан Ийе дадыңызға қулақ салмады, сизлерге итибар да бермеди. 46Солай етип, узақ ўақытқа дейин Қадеште қалдыңыз».

 

2

 

Израиллылардың шөлде өткерген жыллары

 

1«Кейин, Жаратқан Ийениң маған буйырғанындай, бизлер кейнимизге қайтып, Қамыс теңизине баратуғын жол менен шөлге кеттик. Сеир таўларының әтирапында узақ ўақыт жүрдик.
2Ақырында Жаратқан Ийе маған былай деди: 3„Усы таўлы үлкениң дөгерегинде жүргениңиз жетер. Енди арқа тәрепке қарай жүриңлер“. 4Соннан кейин, халыққа мына буйрықларды бериўимди айтты: „Сеирде жасайтуғын туўысқанларыңыз болған Эсаўдың урпақларының жеринен өтесизлер. Олар сизлерден қорқады. Деген менен, өзлериңиз де абайлы болыңлар. 5Оларға қарсы урыс ашпаңлар. Сизлерге олардың жеринен бир қарыс та жер бермеймен. Өйткени Сеир таўлы үлкесин Эсаўға мүлик етип бердим. 6Олардан жейтуғын аўқатыңызды ҳәм ишетуғын суўыңызды гүмиске сатып алыңлар. 7Қудайыңыз Жаратқан Ийе, яғный Мен сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизди жарылқадым. Усы ушы-қыйыры жоқ шөлде айланып жүргениңизде, сизлерди қорғадым. Мен қырқ жыл даўамында сизлер менен бирге болдым ҳәм сизлердиң ҳеш қандай мүтәжлигиңиз болмады“.
8Солай етип, бизлер Сеирде жасап атырған туўысқанларымыз Эсаў урпақларының жанынан өттик. Элат ҳәм Эсион-Геберден Иордан тегислигине баратуғын жолдан жүрдик, кейин жолымызды Моаб шөлине қарай бурдық.
9Сонда Жаратқан Ийе маған: „Моаблыларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Олардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Өйткени Ар қаласын Луттың урпағына мүлик етип бердим“, – деди».
10Бурын ол жерде анақлар сыяқлы узын бойлы, күшли ҳәм көп санлы эм халқы жасайтуғын еди. 11Анақлар сыяқлы, эм халқы да рефа халқы деп есапланатуғын еди. Бирақ моаблылар оларды эм халқы деп атаған еди. 12Сеирде бурын хор халқы жасайтуғын еди. Эсаўдың урпақлары ол жерди олардан тартып алған еди. Израил халқы Жаратқан Ийениң мүлик етип берген жеринде халықларды жоқ қылғанындай, Эсаўдың әўладлары да хор халқын жоқ етип, жерлерине жайласып алған еди.
13«Жаратқан Ийе: „Қәнекей, жолға шығыңлар, Зеред дәрьясынан өтиңлер“, – деди. Бизлер Зеред дәрьясынан өттик. 14Қадеш-Барниядан жолға шығып, Зеред дәрьясынан өтемен дегенше, отыз сегиз жыл жол жүрдик. Жаратқан Ийениң ант ишип айтқанындай, усы ўақытқа келип, Израил халқынан буннан алдынғы әўладтың барлық урысқа жарамлылары жоқ болған еди. 15Ҳәттеки, Жаратқан Ийе оларды ордадан жоқ қылыў ушын, оларға қарсы қол көтерди.
16Сол урысқа жарамлылардың барлығы өлип, халық арасынан жоқ болғаннан кейин, 17Жаратқан Ийе маған былай деди: 18„Бүгин Ар қаласының жолынан, Моаб жерлеринен өтесизлер. 19Аммон халқына жақынласқаныңызда, оларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Себеби аммонлардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Мен ол жерди мүлик етип Луттың урпағына бердим“».
20Бурын бул жер де рефа халқының ели деп есапланатуғын еди. Рефа халқы олардан алдын сол жерде жасаған еди. Аммон халқы оларды замзумлар деп атайтуғын еди. 21Замзумлар анақ халқындай узын бойлы, күшли ҳәм көп еди. Бирақ Жаратқан Ийе оларды аммон халқының алдында қыйратты. Аммонлар замзумлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласып алған еди. 22Жаратқан Ийе Сеирде жасайтуғын Эсаў урпағы ушын да солай ислеп, хор халқын олардың алдында қыйратты. Эсаў әўладлары хорлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласқан еди. Олар бүгин де сол жерде жасайды. 23Кафтордан келген кафторлылар да Газаға дейин созылған аўылларда жасайтуғын аў халқын жоқ етип, олардың жерлерине жайласып алған еди.
24«Бизлер Моаб жеринен өткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерге: „Енди жолға шығыңлар! Арнон дәрьясынан өтиңлер! Мине, амор халқының Хешбондағы патшасы Сихонды ҳәм оның елин сизлерге тәслим қыламан. Оған ҳүжим қылып, жерин ийелеп баслаңлар. 25Бүгиннен баслап Мен жер жүзиндеги халықларды сизлерден ҳүрейи ушып, қорқатуғын қыламан. Олар сизлер туўралы еситкенде, қорқыўдан титирейтуғын болады“, – деди.

 

Израиллылардың Хешбон патшасы Сихонды жеңиўи

 

26Соннан кейин, мен Кедемот шөлинен Хешбон патшасы Сихонға елшилер арқалы тынышлық келисимин усынып, мына хабарды жибердим: 27„Сизиң елиңизден өтип кетиўимизге рухсат бериңиз. Бизлер оңға да, солға да бурылмай туўры жолдан өтип кетемиз. 28Жейтуғын аўқатымызды да, ишетуғын суўымызды да сизден гүмиске сатып аламыз. Тек ғана жериңизден өтип кетсек болды. 29Сеирде жасайтуғын Эсаў әўладлары менен Арда жасайтуғын Моаб халқы өз шегараларынан өтиўимизге рухсат берди. Сиз де жериңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Иордан дәрьясынан өтип, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге беретуғын жерге жетип алайық“.
30Деген менен, Хешбон патшасы Сихон жеринен өтиўимизге рухсат бермеди. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе бүгин көрип турғаныңыздай, Сихонды сизлерге тәслим қылыў ушын, оның жүрегин тас етип, өжет қылып қойған еди.
31Жаратқан Ийе маған: „Мине, Сихонды ҳәм оның елин саған тәслим қылып атырман. Енди оның елин қолға киргизип, ийелеп алыўды басла“, – деди. 32Сихон бизлер менен урысыў ушын, Яҳаста барлық әскерлери менен бизлерге қарсы шықты. 33Қудайымыз Жаратқан Ийе оны бизлерге тәслим қылды. Сихонды, оның улларын ҳәм пүткил халқын қырып тасладық. 34Олардың барлық қалаларын қолға киргизип, ҳәммесин жоқ қылдық. Еркек, ҳаял ҳәм балаларынан ҳеш бирин аман қалдырмадық. 35Тек ғана олардың ҳайўанларын ҳәм қалаларындағы мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық. 36Арнон сайының шетинде жайласқан Ароерден ҳәм сайдың ишиндеги қаладан баслап Гиладқа дейин ҳеш бир қала бизлерден үстем келмеди. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе ҳәммесин бизлерге тәслим қылған еди. 37Бирақ Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша аммонлардың елине, Яббоқ дәрьясының бойларындағы ҳәм таўлы үлкедеги қалаларға жақынламадық».

 

3

 

Израиллылардың Башан патшасы Огты жеңиўи

 

1«Сөйтип, бизлер Башанға қарай жол алдық. Башан патшасы Ог бизлер менен урысыў ушын барлық ләшкерлерин алып, Эдрейде алдымыздан шықты. 2Жаратқан Ийе маған: „Огтан қорқпа! Өйткени оның өзин, ләшкерлерин ҳәм пүткил елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең“, – деди.
3Солай етип, Қудайымыз Жаратқан Ийе Башан патшасы Огты ҳәм оның ләшкерлерин бизлерге тәслим қылды. Олардың ҳеш бирин аман қалдырмай, ҳәммесин қырып тасладық. 4Қолға киргизбеген бир де бир қала қалдырмай, Огтың барлық алпыс қаласын, Башандағы оның патшалығына кирген барлық Аргоб үлкесин қолға киргиздик. 5Бул қалалардың ҳәммеси бийик дийўаллар, дәрўазалар ҳәм дәрўазаларды қулыплап қоятуғын тәмбилер менен беккемленген еди. Булардан басқа дийўаллар менен қоршалмаған көп аўыллар да бар еди. 6Хешбон патшасы Сихонға ислегенимиздей, олардың ҳәммесин жоқ қылдық. Ҳәр бир қаланы еркек, ҳаял ҳәм балалары менен бирге пүткиллей жоқ қылдық. 7Олардың барлық ҳайўанларын ҳәм мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық.
8Солай етип, сол ўақытта бизлер Арнон сайынан Хермон таўына дейин созылған Иордан дәрьясының күн шығыс жағасындағы жерлерди амор халқының еки патшасының қолынан тартып алдық. 9Хермон таўын сидонлылар Сирйон таўы, ал амор халқы Сенир таўы деп атайды. 10Сол кеңисликтеги барлық қалаларды, пүткил Гиладты, Огтың патшалығына тийисли Салка менен Эдрей қалаларына дейин созылған барлық Башанды қолға киргиздик».
11Рефа халқынан тек ғана Башан патшасы Ог тири қалған еди. Огтың Рабба қаласындағы жататуғын орны темирден еди, әпиўайы өлшемде бул орынның узынлығы тоғыз, ени төрт шығанақ еди.

 

Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан урыўлар

 

12«Сонда бизлер қолға киргизген сол жерлерден Арнон сайының шетинде жайласқан Ароер қаласының арқа тәрепин, Гилад таўлы үлкесиниң жартысын ҳәм ол жердеги қалаларды Рубен ҳәм Гад урыўларына бердим. 13Менашше урыўының жартысына болса, Гиладтың қалған бөлегин ҳәм Огтың патшалығына тийисли Башанды бердим. Башандағы Аргоб үлкеси рефа халқының ели деп есапланатуғын еди. 14Менашше урыўынан болған Яир пүткил Аргоб үлкесин ийелеп алды. Бул үлке гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған еди. Яир Башан деп аталған бул үлкени өзиниң аты менен атады ҳәм ол жерлер бүгинге дейин Яирге тийисли қалалар деп аталады. 15Менашше урыўынан болған Махирдиң урпағына Гиладты бердим. 16Рубен ҳәм Гад урыўларына Гиладтан Арнон сайына дейин созылған жерлерди бердим. Арнон сайының ортасы олардың қубла шегарасы, бир бөлеги аммонлардың шегарасы болған Яббоқ дәрьясы арқа шегарасы болды. 17Олардың батыстағы шегарасы болса, Иордан тегислигиндеги Иордан дәрьясы бойлап, арқадағы Киннерет көлинен қубладағы Өли теңизге дейин ҳәм оның шығысындағы Писга таўының жанбаўырларына дейин созылған еди.
18Сонда мен сизлерге былай деп буйрық берген едим: „Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги жерди сизлерге мүлик етип берди. Енди сизлердиң барлық урысқа жарамлы адамларыңыз қуралланып, дәрьядан кесип өтсин. Олар израиллы туўысқанларының алдында жүрсин. 19Ал ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз мен сизлерге берген қалаларда қалсын. Малларыңыз көп екенин билемен, олар да қалаларыңызда қала берсин. 20Жаратқан Ийе сизлерге рәҳәт бергениндей, туўысқанларыңыз да рәҳәтке ериссин ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе берип атырған Иордан дәрьясының арғы тәрепиндеги жерди ийелеп алыўына жәрдем бериң. Соннан кейин, ҳәр бириңиз өзлериңизге берилген усы жерге қайтып келиўиңизге болады“.

 

Жаратқан Ийениң Кенаан елине Муўсаның кириўин қадаған етиўи

 

21Сол ўақытта мен Ешуаға: „Қудайың Жаратқан Ийениң бул еки патшаға не ислегенин өз көзиң менен көрдиң. Жаратқан Ийе сен басып өтетуғын сол барлық патшалықларды да сондай аўҳалға салады. 22Олардан қорқпа! Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады“, – дедим.
23Кейин мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарындым: 24„О, Ийем, Жаратқан Ийе, уллылығыңды ҳәм қүдиретли қолыңды Өз қулыңа көрсетип басладың. Аспанда да, жерде де Сениң әжайып ҳәм уллы ислериңди ислей алатуғын басқа ҳеш қандай қудай жоқ! 25Маған рухсат бер, мен Иордан дәрьясынан өтип, арғы жағадағы әжайып елди, сол сулыў таўлы үлкени ҳәм Лебанон таўларын көрейин“.
26Бирақ Жаратқан Ийе сизлер себепли маған ғәзепленип, жалбарыныўыма қулақ салмады. Ол маған былай деди: „Жетер, болды! Маған бул ҳаққында артық сөз айтпа. 27Писга таўына шық. Батысқа, арқаға, қублаға ҳәм шығысқа көз таслап, жақсылап өз көзиң менен көрип ал. Себеби сен Иордан дәрьясының арғы жағасына өтпейсең. 28Ешуаға хызметти тапсыр. Оны жигерлендирип, руўхландыр. Өйткени бул халық Иордан дәрьясының арғы жағасына Ешуаның басшылығы астында өтеди. Сен көретуғын жерлерди халыққа ол мүлик етип, алып береди“. 29Солай етип, бизлер Бейт-Пеордың қарсы алдындағы ойпатлықта тоқтадық».

 

4

 

Муўсаның Израил халқын Қудайға бойсыныўға шақырыўы

 

1«Енди, ҳәй Израил, мен сизлерге үйрететуғын қағыйдалар ҳәм нызамларға қулақ салыңлар. Өмирге ийе болыў ушын ҳәм ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң өзлериңизге берип атырған жерине кирип, оны мүлик етиўиңиз ушын, буларды орынлаңлар. 2Мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаңлар, ҳеш нәрсе алып та тасламаңлар! Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол буйрықларына әмел қылыңлар!
3Жаратқан Ийениң Баал-Пеорда нелер ислегенин өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Пеордағы Баалдың изине ерген ҳәр бир адамды сизлердиң араңыздан жоқ қылды. 4Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалғанлар бүгин де тири.
5Мине, Қудайым Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша мен сизлерге қағыйда ҳәм нызамлар бердим. Солай етип, мүлик етиў ушын баратуғын елде усыларға әмел қылыңлар. 6Усыларды орынласаңыз, басқа халықлар сизлердиң қандай даналыққа ҳәм ақыл-парасатқа ийе екениңизди көреди. Олар усы қағыйдаларды еситип: „Бул уллы халық шынында да дана ҳәм ақыл-парасатлы екен!“ дейди. 7Қудайымыз Жаратқан Ийени қашан шақырсақ та, Ол бизлерге жақын. Қудайы өзлерине усындай жақын болған басқа бир уллы халық бар ма? 8Бүгин мен сизлерге берген усы нызам сыяқлы әдил қағыйдалары ҳәм нызамлары бар басқа бир уллы халық бар ма?
9Абайлы болыңлар, көзлериңиз бенен көргенлериңизди умытпай, өмириңиз даўамында жүрегиңизде сақлаңлар. Буларды балаларыңызға ҳәм балаларыңыздың балаларына айтып бериңлер. 10Хореб таўында[1] Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында турған күниңизди еслеңлер. Сол күни Жаратқан Ийе маған былай деп айтқан еди: „Сөзлеримди тыңлаўы ушын халықты Мениң алдыма жыйна. Солай етип, олар өмири даўамында Меннен қорқыўды үйренсин, балаларына да үйретсин“.
11Сонда сизлер жақынласып, таўдың етегинде турдыңлар. Таў болса, аспанға дейин көтерилип турған от ҳәм қап-қара бултлар менен қараңғылыққа қапланған еди. 12Жаратқан Ийе оттың ишинен сизлерге сөйледи. Сизлер айтылған сөзлерди еситтиңиз, бирақ Оның сүлдерин көрмедиңиз. Тек ғана даўысты еситкен едиңиз. 13Сизлердиң орынлаўыңыз ушын Жаратқан Ийе Өз келисимин, яғный Он буйрықты берген еди. Оларды еки тастың үстине жазды. 14Өзлериңиз мүлик етип алатуғын елде орынлаўыңыз керек болған қағыйдалар ҳәм нызамларды сизлерге үйретиўимди маған буйырды.

 

Бутқа табыныўшылық ҳаққында ескертиў

 

15Жаратқан Ийе Хореб таўында оттың ишинен сизлерге сөйлеген күни ҳеш қандай сүлдер көрмедиңлер. Соның ушын, қатты абайлы болыңлар. 16Және, жолдан азғырылып, өзлериңиз ушын еркектиң ямаса ҳаялдың сүлдериндеги, 17жерде жасайтуғын жаныўардың ямаса аспанда ушып жүретуғын қуслардың сүлдериндеги, 18жер баўырлап жүриўши жаныўардың ямаса суўдағы балықтың сүлдериндеги ҳеш қандай бут ислеп алмаңлар. 19Сондай-ақ, аспанға қарап, қуяш, ай, жулдызларды – аспан денелерин көрип азғырылыўға түспеңлер, оларға табынып, хызмет етпеңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе буларды жер жүзиндеги басқа халықлар ушын арнап қойған. 20Сизлерге келсек, Жаратқан Ийе бүгингидей Өзиниң халқы қылыў ушын, сизлерди темир еритетуғын ошақтың ишинен – Мысыр жеринен алып шықты.
21Жаратқан Ийе сизлер себепли маған ғәзепленди. „Иордан дәрьясының арғы жағасына өтпейсең ҳәм Мен халыққа мүлик етип беретуғын сол жақсы жерге сен кирмейсең“, – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийе маған ант ишти. 22Мен Иордан дәрьясының арғы жағына өте алмайман, усы жерде өлемен. Бирақ сизлер Иорданның арғы жағына өтип, сол жақсы жерди мүлик етип аласызлар. 23Сонда абайлы болыңлар! Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисимин умытпаңлар, Ол қадаған қылған ҳеш бир заттың сүлдерине мегзетип, өзлериңизге бут ислеп алмаңлар. 24Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе жандырып жоқ қылып жиберетуғын от ҳәм Ол қызғаншақ Қудайдур.
25Сол елде узақ ўақыт жасап, балалы ҳәм ақлықлы болғаннан кейин, жолдан азғырылмаңлар. Өзлериңиз ушын ҳәр түрли заттың сүлдерине мегзетип бут ислеп, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўызлық болған ислерди ислесеңиз, Оны ғәзеплендиресиз. 26Бүгин сизлерге қарсы жерди ҳәм аспанды гүўа қыламан: егер маған қулақ салмасаңыз, Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратуғын елде сөзсиз ҳәм тез өлип кетесизлер. Ол жерде узақ ўақыт жасамайсызлар, пүткиллей жоқ боласызлар. 27Жаратқан Ийе сизлерди басқа халықлардың арасына тарқатып жибереди. Сол халықлардың арасында базыларыңыз ғана аман қаласызлар. 28Ол жерде көзи көрмейтуғын, еситпейтуғын, жемейтуғын ҳәм ийис сезбейтуғын адамзаттың қолынан исленген ағаш ҳәм тас қудайларға табынатуғын боласызлар. 29Деген менен, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийени пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен излесеңиз, Оны табасызлар. 30Қыйыншылыққа дуўшар болғаныңызда ҳәм усылардың барлығы басыңызға түскеннен кейин барып, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтасызлар, Оның сөзине қулақ саласызлар. 31Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе реҳимли Қудайдур. Ол сизлерди таслап кетпейди, жоқ қылып жибермейди ҳәм ата-бабаларыңыз бенен ант ишип дүзген келисимин умытпайды.
32Сизлер дүньяға келмесиңизден алдынғы күнлерди, Қудайдың жер жүзиндеги адамзатты жаратқан күннен усы күнге дейин өткен дәўирди сорастырып көриңлер. Дүньяның бир шетинен екинши шетине дейин сорап көриң, сондай уллы ўақыя улыўма болды ма екен ямаса ким болса да, усыған уқсаған бир ўақыяны еситти ме екен? 33Сизлерге уқсап, оттың ишинен сөйлеген Қудайдың даўысын еситип, аман қалған басқа бир халық бар ма? 34Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мысырда нелер ислегенин сизлер өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қайсы қудай сондай апатлар, кәраматлы белгилер, таң қаларлық ислер, саўаш, созылған күшли ҳәм қүдиретли қол, уллы ҳәм қорқынышлы ислер арқалы басқа бир халықтың арасынан өзине бир халықты айырып алыў ушын барды?
35Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билсин, деп бул ўақыялар сизлерге көрсетилген. 36Ол сизлерди туўры жолға салыў ушын, аспаннан даўыслап сөйледи. Жер жүзинде Ол сизлерге уллы отын көрсетти. Оттың ишинен Оның сөзлерин еситтиңиз. 37Ол ата-бабаларыңызды сүйгенликтен ҳәм олардың урпағын таңлағаны ушын, сизлерди уллы күши менен Мысырдан Өзи алып шықты. 38Бундағы Оның мақсети сизлерден көп ҳәм күшли болған халықларды алдыңыздан қуўып, олардың жерлерине киргизип, бүгингидей мүлик етиўиңиз ушын жерлерин сизлерге бериў еди.
39Соның ушын, бүгин Жаратқан Ийениң аспанда ҳәм жер жүзинде Қудай екенин, Оннан басқа қудай жоқ екенлигин билип алыңлар ҳәм жүрегиңизде сақлаңлар. 40Сизлер ҳәм урпақларыңыз абадан турмыс кешириўиңиз ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мәңгиге сизлерге берип атырған бул жерлерде узақ жыллар жасаўыңыз ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Жаратқан Ийениң қағыйдаларына ҳәм буйрықларына әмел қылыңлар».

 

Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги паналайтуғын қалалар

 

41Соннан кейин, Муўса Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен үш қаланы ажыратты. 42Солай етип, алдыннан жаўызлық қылыў нийети болмай, бир адамды билместен өлтирип қойған адам усы қалалардың биреўине қашып, өз жанын қутқарып қалыўы мүмкин. 43Бул қалалар мыналар еди: Рубен урыўы ушын үстирттеги тегисликте жайласқан Бесер қаласы, Гад урыўы ушын Гиладтағы Рамот қаласы, Менашше урыўы ушын Башандағы Голан қаласы.

 

Нызамға кирисиў

 

44Муўса Израил халқына төмендеги нызамларды берди. 45Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Муўсаның оларға берген тәртиплери, қағыйдалары ҳәм нызамлары мыналар. 46Муўса буларды Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде, Бейт-Пеордың қарсы алдындағы ойпатлықта баянлады. Бул жерлер алдын Хешбонда ҳүкимдарлық қылған аморлардың патшасы Сихонға тийисли еди. Муўса менен израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Сихонды жеңилиске ушыратқан еди. 47Израил халқы Сихонның ҳәм Башан патшасы Огтың жерлерин, яғный Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жасайтуғын амор халқының еки патшасының елин қолға киргизген еди. 48Бул жерлер Арнон сайының шетинде жайласқан Ароер қаласынан Сионға дейин, яғный Хермон таўына дейин созылған еди. 49Және де, Писга таўының жанбаўырларындағы Өли теңизге дейин созылған бул жерлер Иордан дәрьясының шығыс жағасындағы пүткил тегисликти де өз ишине алатуғын еди.

 

5

 

Он буйрық

 

(Шығыў 20:1–17)

 

1Муўса пүткил израиллыларды бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Ҳәй, Израил, бүгин сизлерге айтатуғын қағыйдалар ҳәм нызамларға қулақ салыңлар! Оларды үйренип, муқыятлы түрде орынлаңлар! 2Қудайымыз Жаратқан Ийе Хореб таўында бизлер менен бир келисим дүзди. 3Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен емес, ал бизлер менен, бүгин усы жерде тири болған ҳәммемиз бенен келисим дүзди. 4Жаратқан Ийе сол таўда оттың ишинен сизлер менен жүзбе-жүз сөйлести. 5Сол ўақытта мен Жаратқан Ийе менен сизлердиң араңызда турып, Оның сөзин сизлерге жеткердим. Себеби сизлер оттан қорқып, таўға шықпадыңыз. Сонда Жаратқан Ийе былай деп айтты:
6„Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.
7Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
8Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. 9Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаншақ Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. 10Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.
11Қудайың болған Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
12Қудайың Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла. 13Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. 14Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, өгизиң, ешегиң ҳәм басқа малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. Солай етип, қул ҳәм шорыларың да өзиңдей дем алсын. 15Мысырда қул болғаныңды ҳәм Қудайың Жаратқан Ийе сени сол жерден күшли ҳәм қүдиретли қолы менен шығарғанын есле. Соның ушын, Қудайың Жаратқан Ийе Шаббат күнине әмел қылыўыңды буйырды.
16Қудайың Жаратқан Ийе буйырғанындай, ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады ҳәм бахытлы жасайсаң.
17Адам өлтирме.
18Неке ҳадаллығын бузба.
19Урлық ислеме.
20Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
21Ҳеш бир адамның ҳаялын күсеме. Оның үйин, атызын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме“.
22Жаратқан Ийе бул сөзлерди пүткил жәмийетиңизге сол таўда оттың, булттың, қойыў қараңғылықтың ишинен бәлент даўыс пенен айтты. Бул сөзлерге басқа ҳеш нәрсе қоспады. Соннан кейин, Ол бул буйрықларды тегис еки тастың үстине жазып, маған берди.
23Таў от болып жанып турғанда, қараңғылық ишинен даўыс еситтиңиз. Сонда барлық урыў басшыларыңыз ҳәм ақсақалларыңыз мениң алдыма келип, 24былай деди: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге салтанатын ҳәм уллылығын көрсетти ҳәм оттың ишинен шыққан Оның даўысын еситтик. Бүгин бизлер Қудайдың адамзат пенен сөйлескенин ҳәм адамзаттың тири қалғанын көрдик. 25Бирақ енди бизлер не ушын өмиримизди және қәўип астына қойыўымыз керек? Бул үлкен от бизлерди жағып, жоқ етеди-ғо! Егер Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын және бир мәрте еситсек, онда сөзсиз өлип қаламыз. 26Оттың ишинен сөйлеген тири Қудайдың даўысын бизлер сыяқлы еситип, тири қалған адам бар ма? 27Сен барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла. Соннан кейин, Оның барлық сөзлерин бизлерге айтып бер. Бизлер қулақ салып, орынлаймыз“.
28Жаратқан Ийе сизлердиң маған айтқанларыңызды еситип, маған былай деди: „Мен бул халықтың саған не айтқанларын еситтим. Олардың барлық айтқанлары дурыс. 29Қәнекей, олардың жүреклери ҳәмме ўақытта усындай болса, Меннен қорқып, барлық буйрықларыма әмел қылса! Сонда өзлери де, урпақлары да мәңги бахытлы болар еди.
30Енди сен оларға барып, шатырларыңызға қайтың, деп айт. 31Ал сен усы жерде, Мениң қасымда қал. Мен саған барлық буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм нызамларымды беремен. Буларды халыққа сен үйретесең. Солай етип, Мен оларға мүлик етип берип атырған елде булардың ҳәммесине әмел қылсын“.
32Енди оңға да, солға да бурылмай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар. 33Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған барлық жоллары менен жүриңлер. Сонда сизлер мүлик етип алатуғын жерде аман болып, бахытлы ҳәм узақ өмир сүресизлер».

 

6

 

Ең уллы буйрық

 

1«Булар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге үйретиў ушын маған берген буйрықлары, қағыйдалары ҳәм нызамлары. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратырған елде оларға әмел қылың. 2Мен сизлерге берип атырған барлық қағыйда ҳәм буйрықларға өзлериңиз, балаларыңыз ҳәм балаларыңыздың балалары да әмел қылып, өмириңиздиң ақырына дейин Жаратқан Ийеден қорқып жасаң. Сонда өмириңиз узақ болады. 3Ҳәй, Израил халқы қулақ салың! Буларды муқыятлы түрде орынлаң. Сонда ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай сүт ҳәм пал ағып турған елде өсип-өнип көбейесиз ҳәм бахытлы боласыз.
4Ҳәй, Израил халқы, қулақ салың! Қудайымыз Жаратқан Ийе – жалғыз Жаратқан Ийедур. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийени пүткил жүрегиңиз, пүткил жаныңыз ҳәм пүткил күшиңиз бенен сүйиң. 6Бүгин мен сизлерге берип атырған бул буйрықларды ой-жүрегиңизде сақлаң. 7Буларды балаларыңызға да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар ҳаққында айтып бериң. 8Буларды белги қылып, қолларыңызға байлап қойың, маңлайыңызға нышан сыпатында тағып қойың. 9Үйиңиздеги есигиңиздиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың.

 

Қудайдың сөзине қулақ салмайтуғынларға қарсы ескертиў

 

10Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз болған Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерге сизлерди алып киреди. Ол сизлерге өзлериңиз қурмаған үлкен ҳәм жақсы қалаларды, 11өзлериңиз жыйнамаған жақсы мал-мүликлерге толы үйлерди, өзлериңиз мийнет етип қазбаған суў сақлағышларды, өзлериңиз екпеген жүзимзарларды ҳәм зәйтүн бағларын береди. Ол жерде ишип-жеп тоясызлар. 12Сол ўақытта абайлы болыңлар! Сизлерди Мысырдағы қуллықтан алып шыққан Жаратқан Ийени умытпаңлар.
13Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Тек ғана Оған хызмет етип, Оның аты менен ант ишиңлер. 14Басқа қудайларға, дөгерегиңиздеги халықлардың қудайларына ермеңлер. 15Себеби араңызда болатуғын Қудайыңыз Жаратқан Ийе қызғаншақ Қудайдур. Егер Ол ғәзепленсе, сизлерди жер жүзинен жоқ қылып жибереди. 16Массада ислегениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сынамаңлар. 17Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын, сизлерге берген тәртип ҳәм қағыйдаларын биреўин де қалдырмай орынлаңлар. 18Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс ҳәм жақсы болған ислерди ислеңлер. Сонда сизлер бахытлы боласыз, Ол ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жақсы жерди мүлик етип аласыз. 19Жаратқан Ийениң Өзи айтқанындай, Ол сизлердиң барлық душпанларыңызды ол жерден қуўып шығарады.
20Егер де келешекте балаларыңыз сизлерден: „Қудайымыз Жаратқан Ийе усы тәртиплерди, қағыйдаларды ҳәм нызамларды сизлерге не себептен берди?“ – деп сораса, 21оларға былай деп айтыңлар: „Бизлер Мысырда фараонның қулы едик. Жаратқан Ийе бизлерди күшли қолы менен ол жерден алып шықты. 22Ол бизлердиң көз алдымызда Мысырға, фараонға ҳәм олардың шаңарақларына қарсы уллы, қорқынышлы кәраматлар ҳәм белгилер көрсетти. 23Ол ата-бабаларымызға ант ишип, ўәде қылған жерге бизлерди алып келиў ушын ҳәм ол жерди бизлерге бериў ушын бизлерди Мысырдан алып шықты. 24Бизлердиң бәрҳа бахытлы өмир сүриўимиз ҳәм бүгингидей тири жүриўимиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе усы қағыйдалардың ҳәммесине әмел қылып, Оннан қорқыўымызды буйырды. 25Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында усы буйрықларды муқыятлы түрде орынласақ, бизлер ҳақ боламыз“».

 

7

 

Қудайдың халқы

 

(Шығыў 34:11–16)

 

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди мүлик етип алатуғын жериңизге алып барғанда, көп халықларды – хетт, гиргаш, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарады. Бул жети халық сизлерден гөре көп ҳәм күшли. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды сизлерге тәслим еткенде, олардың үстинен жеңиске ерисесиз. Сонда олардың ҳәммесин толығы менен жоқ қылыңлар! Сол халықлар менен келисим дүзбеңлер, оларды аямаңлар. 3Олар менен қуда-тамыр болып, өз қызларыңызды олардың улларына турмысқа бермеңлер ҳәм олардың қызларын улларыңызға алып бермеңлер. 4Себеби олар ул-қызларыңызды Жаратқан Ийеден жүз бурдырады ҳәм ул-қызларыңыз басқа қудайларға хызмет ететуғын болады. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, сизлерди сол ўақыттың өзинде жоқ қылып жибереди. 5Керисинше, ол халықларға мынадай қылыңлар: олардың қурбанлық орынларын бузыңлар, кийели тасларын сындырып таслаңлар, кийели ағашларын шаўып таслаңлар ҳәм бутларын жағып жибериңлер. 6Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан Өз халқы, Өз ғәзийнеси қылыўы ушын, Ол сизлерди таңлап алды.
7Жаратқан Ийе сизлерди басқа халықлардан көп болғаныңыз ушын сүйип, таңламады. Сизлер басқа барлық халықлардан аз едиңиз. 8Ал Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын ҳәм ата-бабаларыңызға ишкен антын орынлаў ушын сизлерди күшли қолы менен Мысырдағы қуллықтан, Мысыр патшасы фараонның қол астынан азат етти. 9Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай екенин билип алыңлар. Ол садық Қудай, Өзин сүйип, буйрықларына әмел қылғанлардың мыңыншы әўладына дейин Өз келисиминде садық қалып, жақсылық қылады. 10Бирақ Өзин жек көргенлерди болса, екиленбестен жоқ етеди. Аўа, оларды жазалаўға кешикпейди. 11Соның ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларды, қағыйдаларды ҳәм нызамларды муқыятлы түрде орынлаңлар.

 

Буйрықларға бойсынғанларға берилетуғын жарылқаў

 

12Егер де усы буйрықларға бойсынып, оларды толық орынласаңыз, онда Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлер менен дүзген келисимине садық қалады. 13Ол сизлерге беремен деп, ата-бабаларыңызға ант ишкен елде сизлерди сүйип, жарылқап, көбейтеди. Сизлердиң урпақларыңызды өнип-өстирип, жериңиздиң зүрәәтин, дән өнимлерин, жаңа шарапты, зәйтүн майын, пада ҳәм сүриўлериңизди мол қылады. 14Басқа халықлардан гөре, сизлер көп берекетли боласыз. Сизлердиң араңызда нәсилсиз еркек те, бала көтермейтуғын ҳаял да, қысыр мал да болмайды. 15Жаратқан Ийе сизлерди ҳәр түрли аўырыў-сырқаўлардан сақлайды. Мысырда өзлериңиз көрген қорқынышлы кеселликлердиң ҳеш бирин сизлердиң басыңызға салмайды, ал оларды душпанларыңызға жибереди. 16Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге тәслим қылатуғын халықлардың барлығын қырып таслаңлар, оларды аяп отырмаңлар. Олардың қудайларына табынбаңлар. Өйткени олардың қудайлары сизлер ушын дузақ болады.
17Сизлер: „Бул халықлар бизлерден гөре жүдә күшли-ғо, оларды қалайынша қуўып шығарамыз?“ – деп ойлап атырған шығарсыз. 18Бирақ олардан қорқпаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң фараонға ҳәм пүткил Мысыр халқына нелер ислегенин есиңизде сақлаңлар. 19Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди Мысырдан шығарыў ушын, оларға жиберген уллы апатларын, көрсеткен кәраматларын, таң қаларлық ислерин, күшли ҳәм қүдиретли қолын өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ҳәзир сизлер қорқып атырған усы халықлардың ҳәммесине де солай ислейди. 20Ҳәттеки, сизлерден жасырынып, аман қалғанларға да ешек ҳәрре[2] жиберип, оларды өлтиреди. 21Олардан қорқып, қәўетерге түспеңлер. Сизлердиң араңыздағы Қудайыңыз Жаратқан Ийе уллы ҳәм айбатлы Қудайдур. 22Ол усы халықларды алдыңыздан аз-аздан қуўады. Сизлер оларды бирден жоқ қыла алмайсыз. Болмаса, әтирапыңызды жабайы ҳайўанлар басып кетеди. 23Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды сизлерге тәслим қылады ҳәм олардың ҳәммесин албыраўшылық ишинде қалдырып, жоқ қылады. 24Олардың патшаларын да сизлерге тәслим қылады. Сизлер олардың атларын жер жүзинен өширип таслайсыз. Ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмайды, сизлер ҳәммесин қырып таслайсыз. 25Олардың қудайларының мүсинлерин жағып жибериңлер. Сол мүсинлер қапланған алтын ҳәм гүмиске қызығып, оларды өзлериңизге алмаңлар. Егер алсаңыз, онда олар сизлерге дузақ болады. Бул мүсинлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге жеркенишлидур. 26Усы жеркенишли затларды үйиңизге алып бармаңлар, болмаса, олар сыяқлы сизлер де жоқ қылынасыз. Сизлер сол бутларды жек көрип, олардан жеркениўиңиз керек, себеби олар ғарғыстың астында болып, жоқ қылыныўы керек».

 

8

 

Жаратқан Ийени умытпаңлар

 

1«Бүгин мен сизлерге берип атырған буйрықлардың ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар, сонда жасайсыз ҳәм көбейесиз. Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерин мүлик етип аласызлар. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қырқ жыл даўамында шөлде алып жүрди, сол жүрген узақ жолыңызды есте сақлаңлар! Сизлердиң жүрегиңизде не бар екенин ҳәм Оның буйрықларына бойсынатуғыныңыз, я бойсынбайтуғыныңызды билиў ушын, сизлерге қыйыншылық жиберип, сынады. 3Ол сизлерди аш қалдырып, бойсындырды. Кейин өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да көрмеген манна менен тойдырды. Буны адамның тек ғана нан менен емес, ал Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан ҳәр бир сөзи менен жасайтуғынын сизлерге үйретиў ушын иследи. 4Сол қырқ жыл даўамында я кийимлериңиз тозбады, я аяқларыңыз исип кетпеди. 5Мынаны есте тутыңлар: әке баласын қалай тәрбияласа, Қудайыңыз Жаратқан Ийе де сизлерди солай етип тәрбиялады.
6Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынып, көрсеткен жолы менен жүриң ҳәм Оннан қорқың. 7Ол сизлерди жақсы бир жерге алып барады. Ол жердиң дәрьялары, булақлары ҳәм таўлар менен ойпатлықларда жер астынан шығатуғын суўлары, 8бийдайы, арпасы, жүзими, әнжири, анары, зәйтүн ағашлары ҳәм палы бар. 9Сол елде тойып нан жейсизлер, ҳеш қандай мүтәжлик көрмейсизлер. Ол сондай ел, тасларынан темир, таўларынан мыс аласызлар.
10Сол жерде ишип-жеп тойғаныңызда, сизлерге берген өнимдар ел ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге шүкирлик билдириңлер. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытпаңлар, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның буйрықларын, нызамларын ҳәм қағыйдаларын орынламай қалыўдан сақ болыңлар. 12Және, қарныңыз тойып, сулыў үйлер салып, жайласып алғанда, 13ири ҳәм майда малларыңыз көбейип, алтын-гүмислериңиз ҳәм мал-дүньяңыз артқанда, 14менмен болып кетпеңлер! Сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытпаңлар! 15Жаратқан Ийе сизлерди зәҳәрли жыланлар ҳәм шаянларға толы сол үлкен ҳәм қорқынышлы шөлден, қурғақ ҳәм суўсыз жерлерден алып өтти. Ол жерде сизлер ушын жартастан суў шығарды. 16Ата-бабаларыңыз көрмеген манна менен шөлде сизлерди тойдырды. Ақыбетинде сизлерге жақсылық алып келиў ушын, сизлерди қыйыншылыққа дуўшар етип, сынады. 17Сизлер: „Усы мал-дүньяны өз күш-қуўатым менен таптым“, – деп ойламаңлар. 18Ал сол мал-дүньяны жыйнаўға сизлерге күш-қуўат берген Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенин есиңизде тутыңлар. Ол ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисимине садық болғаны ушын, оны бүгин орынлап атыр.
19Бүгин мен сизлерди қатал ескертемен: егер Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытып, басқа қудайлардың изине ерип кетсеңиз, оларға хызмет етип, алдында табынсаңыз, онда сөзсиз жоқ болып кетесиз! 20Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң алдыңыздан басқа халықларды жоқ қылып атырғанындай, Оған бойсынбағаныңыз ушын, сизлерди де жоқ қылады».

 

9

 

Жаратқан Ийениң халыққа жерди бериўиниң себеби

 

1«Қулақ салың, ҳәй, Израил халқы! Сизлер бүгин өзлериңизден көп ҳәм күшли болған халықлардың жерлерин мүлик етиў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Олардың үлкен қалалары аспанға тийер дийўаллар менен қоршалған. 2Сол күшли, узын бойлы халық Анақ әўладынан. Оларды өзлериңиз билесиз. Олар ҳаққында: „Анақ әўладларына ким қарсы шыға алар екен?“ – деген сөзлерди еситкенсизлер. 3Бирақ бүгин мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе жалмамай жутатуғын жалын сыяқлы сизлердиң алдыңыздан барады. Ол Анақ әўладларын жеңилиске ушыратып, сизлерге бас ийдиреди. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, оларды қуўып, бир майданда жоқ қыласыз.
4Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарғаннан кейин, сизлер өзлериңизше: „Жаратқан Ийе ҳақлығымыз себепли бул елди ийелеўимиз ушын, бизлерди усы жерге алып келди“, – деп ойлап жүрмеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары ушын, сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. 5Сизлер өз әдиллигиңиз ҳәм кеўлиңиздиң ҳақлығы себепли олардың жерлерин мүлик етип алып атырған жоқсыз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды ислеген жаўызлықлары себепли сизлердиң алдыңыздан қуўып атыр. Усылайынша, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа ант ишип, берген ўәдесин орынлайды. 6Мынаны билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге бул жақсы жерди ҳақ болғаныңыз ушын берип атырған жоқ. Керисинше, сизлер қайсар бир халықсыз.

 

Тана сүлдериндеги бут ҳәм Муўсаның халық ушын жалбарыныўы

 

7Қудайыңыз Жаратқан Ийени шөлде қаншелли ғәзеплендиргениңизди есиңизде сақлаң, ҳасла умытпаңлар. Мысырдан шыққан күннен баслап, усы жерге жетип келгенге дейин ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге қарсы бас көтерип келдиңиз. 8Хореб таўында Жаратқан Ийениң ғәзебине тийгениңиз соншелли, Ол сизлерди жоқ қылып жиберейин деп қалды. 9Сонда мен еки тасты, яғный Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисим тасларын алыў ушын, таўға шыққан едим. Мен ол жерде қырқ күн, қырқ түн болып, ҳеш нәрсе ишип-жемедим. 10Жаратқан Ийе Өз қолы менен жазған еки тасты маған берди. Бул тасларда сизлер таўда жыйналған күни Жаратқан Ийениң от ишинен сизлерге айтқан буйрықларының ҳәммеси жазылған еди. 11Сол қырқ күн, қырқ түннен кейин Жаратқан Ийе маған еки тасты, келисим тасларын берди.
12Соннан кейин, Жаратқан Ийе маған: „Қәне, бул жерден дәрҳал төмен түс. Себеби Мысырдан алып шыққан халқың жолдан азғырылды. Олар Мен буйырған жолдан шығып, өзлерине бир бут қуйып, ислеп алды“, – деди. 13Жаратқан Ийе маған және: „Бул халықтың ҳақыйқаттан қайсар халық екенин көрдим! 14Енди Мени тоқтатып қалма. Мен олардың ҳәммесин жоқ қылып, атларын жер жүзинен өширип таслайман. Ал сеннен олардан гөре күшлирек ҳәм көбирек халық дөретемен“, – деди.
15Солай етип, мен таўдан төменге түстим. Таў от болып жанып турған еди. Мениң қолымда еки келисим тасы бар еди. 16Сонда мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп, өзлериңизге тананың сүлдериндеги бутты ислеп алғаныңызды көрдим. Сизлер Жаратқан Ийениң берген жолынан дәрҳал шығып кеткен едиңиз. 17Сол себепли қолымдағы еки келисим тасын ылақтырып жиберип, сизлердиң көз алдыңызда сындырып тасладым. 18Соннан кейин, мен көп гүнаңыз себепли, және Жаратқан Ийениң алдында узақ ўақыт, қырқ күн, қырқ түн ҳеш нәрсе ишип-жемей, ет бетимнен жерге жатып, сизлер ушын жалбарындым. Себеби Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислеп, Оның ғәзебин келтирген едиңиз. 19Мен Жаратқан Ийениң жанып турған ғәзебиниң алдында қатты қорққан едим. Оның ғәзеби соншелли лаўлап кеткенликтен, Ол сизлерди жоқ қылмақшы еди. Деген менен, Жаратқан Ийе бул рет те мениң жалбарыныўыма қулақ салды. 20Жаратқан Ийе Харонға да қатты ғәзепленип, оны өлтирмекши еди. Бирақ сол ўақытта Харон ушын да жалбарынған едим. 21Ал мен сизлердиң гүналы исиңизди, яғный танаға мегзетип ислеген бутыңызды алып, жағып жибердим. Оны бөлеклеп, унтақлап ездим де, кейин оны таўда ағып турған булаққа шашып жибердим.
22Сизлер және, Таберада да, Массада да, Киброт-Ҳаттааўада да Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирдиңиз. 23Жаратқан Ийе Қадеш-Барниядан сизлерди жиберип: „Барыңлар, сизлерге берип атырған елди мүлик етип, ийелеп алыңлар“, – деп буйырғанда да, сизлер Оның буйрығына қарсы шықтыңыз. Сизлер Оған исенбедиңиз, сөзлерине де қулақ салмадыңыз. 24Мен сизлерди танығанымнан баслап, ҳәзирге дейин Жаратқан Ийеге қарсы шығып, бас көтерип киятырсыз.
25Жаратқан Ийе сизлерди жоқ ететуғынын айтқанлықтан, мен Оның алдында сол қырқ күн, қырқ түн бойы ет бетимнен жерге жатып алған едим. 26Сонда мен Жаратқан Ийеге былай деп жалбарынған едим: „Оҳ, Ийем, Жаратқан Ийе! Сен Өз уллылығың менен азат етип, қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан халқыңды, Өз мүлкиңди жоқ етпе. 27Қулларың Ибрайымды, Ысақты ҳәм Яқыпты есле. Бул халықтың қайсарлығына, жаўызлықлары менен гүналарына итибар берме. 28Болмаса, Сен бизлерди алып шыққан елдиң халқы: Жаратқан Ийе оларды ўәде қылған жерине алып бара алмады. Ол сол халықты жек көргени ушын, шөлде жоқ қылыў мақсетинде оларды Мысырдан алып шыққан екен, – деп айтады. 29Бирақ олар уллы күшиң ҳәм қүдиретли қолың менен Мысырдан алып шыққан Өзиңниң халқың ҳәм мүлкиңдур“».

 

10

 

Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы

 

(Шығыў 34:1–10)

 

1«Сол ўақытта, Жаратқан Ийе маған былай деди: „Бурынғы тасқа уқсаған еки тас жонып алып, Мениң алдыма, таўға шық. Және, ағаштан бир сандық исле. 2Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман. Кейин сен тасларды сандыққа салып қоясаң“.
3Солай етип, мен акация ағашынан бир сандық иследим. Бурынғы таслардай етип, еки тас жонып алдым. Соннан кейин, еки тасты алып, таўға шықтым. 4Таўда жыйналған күниңизде, Жаратқан Ийе от ишинен сизлерге айтқан он буйрықты алдынғыдай етип, сол еки тасқа және жазды да, оны маған берди. 5Мен таўдан төмен түсип, Жаратқан Ийе буйырғанындай, тасларды сандықтың ишине салып қойдым. Таслар ҳәзир де сол сандықтың ишинде турыпты».
6Израиллылар Бене-Яақандағы қудықлардың жанынан шығып, Мосераға жүрип кетти. Харон сол жерде өлип, жерленди. Оның орнына баласы Элазар бас руўханий болды. 7Израиллылар ол жерден Гудгодаға, кейин болса, ағын суўлар үлкеси болған Йотбатаға барды. 8Сол ўақытта Жаратқан Ийе Келисим сандығын көтерип жүрсин ҳәм дәргайымда хызмет етип, Мениң атым менен адамларға ақ пәтия берсин, деп Лебий урыўын таңлап алған еди. Олар бүгин де усы хызметти орынлап киятыр. 9Соның ушын, лебийлилер туўысқанлары болған басқа урыўлар сыяқлы жерден үлес алмады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң оларға берген ўәдеси бойынша Жаратқан Ийениң Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.
10«Мен алдынғыдай, таўда және қырқ күн, қырқ түн қалдым. Сонда Жаратқан Ийе және бир мәрте мениң жалбарыныўымды еситип, сизлерди өлтирмейтуғын болды. 11Соннан кейин, Ол: „Қәне, тур, бул халықты баслап бар. Оларды Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге алып бар. Олар сол жерге барып, оны мүлик етип, ийелеп алсын“, – деди.

 

Қудайдың талаплары

 

12Енди, ҳәй, Израил халқы, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден бир нәрсени ғана талап қылады: Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, Оның жоллары менен жүриңлер, Оны сүйиңлер, пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен Оған хызмет етиңлер. 13Мен бүгин сизлерге берип атырған Жаратқан Ийениң буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар, сонда абадан турмыс кеширесиз. 14Аспан да, пүткил аспан әлеми де, жер жүзи ҳәм оның ишиндеги барлық та Қудайыңыз Жаратқан Ийеге тийислидур. 15Деген менен, Жаратқан Ийе сизлердиң ата-бабаларыңызды сүйди. Мине, Ол бүгин көрип турғаныңыздай, олардың урпағы болған сизлерди барлық халықлардың арасынан таңлап алды. 16Жүреклериңизди Жаратқан Ийеге бағышлаңлар, буннан былай қайсар болмаңлар. 17Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе, қудайлардың Қудайы, ийелердиң Ийесидур. Ол ҳеш кимге еки жүзлилик қылмайтуғын, ҳеш қандай пара алмайтуғын уллы, қүдиретли ҳәм айбатлы Қудайдур. 18Ол жетим-жесирлердиң ҳуқықын қорғайды, келгиндилерди сүйип, оларға аўқат ҳәм кийим береди. 19Сизлер де келгиндилерди сүйиўиңиз керек, өйткени өзлериңиз де Мысырда келгинди болған едиңиз. 20Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, тек ғана Оған хызмет етиңлер. Оған садық қалып, Оның аты менен ант ишиңлер. 21Ол сизлердиң даңқыңыздур. Өз көзиңиз бенен көрген сол уллы ҳәм қорқынышлы кәраматларды сизлер ушын ислеген Қудайыңыздур. 22Сизлердиң ата-бабаларыңыз Мысырға барғанда, олар бары-жоғы жетпис адам еди. Ал ҳәзир болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз етип көбейтти».

 

11

 

Жаратқан Ийениң буйрықлары

 

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер. Оның тапсырмаларына, қағыйдаларына, нызамларына ҳәм буйрықларына ҳәмме ўақытта әмел қылыңлар. 2Бүгин мынаны есиңизде тутыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң тәрбиясын алып жасаған балаларыңыз емес, ал сизлер боласыз. Сизлер Оның уллылығын, күшли қолын, қүдиретин, 3Мысырда фараон ҳәм оның пүткил елине ислеген кәраматларын ҳәм белгилерин, 4Мысыр ләшкерлерине, атларына, саўаш арбаларына нелер ислегенин, мысырлылар сизлердиң изиңизден қуўғанда, оларды Қамыс теңизиниң астына қалай мантықтырып, оларды қалайынша толығы менен жоқ қылғанын көрдиңиз. 5Усы жерге жетип келемен дегенше, Жаратқан Ийе сизлер ушын шөлде не ислегенин, 6Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирамға не ислегенин билесиз. Пүткил Израил халқының көз алдында жер ашылып, оларды, шаңарақларын, шатырларын ҳәм оларға тийисли болғанлар менен барлық жаныўарларын жутып жиберди. 7Жаратқан Ийениң ислеген барлық уллы ислерин өз көзиңиз бенен көрдиңиз.

 

Ўәде етилген елдиң берекетлери

 

8Сонлықтан бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қылыңлар. Сонда сизлер күшли боласыз ҳәм Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елди қолға киргизесиз. 9Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға ҳәм олардың урпақлары болған сизлерге беремен деп ант ишкен сүт ҳәм пал ағып турған елде узақ өмир сүресиз. 10Сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел, өзлериңиз шығып келген Мысыр елиндей емес. Палыз атызын тәрбиялағандай, Мысырда туқым егип, аўыр мийнет пенен егинлериңизди суўғарар едиңлер. 11Бирақ сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел таў ҳәм ойпатлықлардан ибарат болып, оның жери жаўын менен суўғарылады. 12Бул жерге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи ғамхорлық қылып, жыл басынан ақырына дейин ол жерди Өзи гүзетип турады.
13Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен Оған хызмет етиў ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға жақсылап қулақ салсаңыз, 14Жаратқан Ийе жериңизге гүз ҳәм бәҳәр жаўынларын өз ўақтында жаўдырады. Солай етип, дәниңизди, таза шарабыңызды ҳәм зәйтүн майыңызды жыйнап аласыз. 15Жаратқан Ийе атызларыңызда малларыңыз ушын от-шөп өсиреди, сизлердиң наныңыз мол болады. 16Бирақ абайлы болыңлар! Және, азғырылып жолдан адаспаңлар. Басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынбаңлар. 17Болмаса, Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, аспанды жаўып таслайды ҳәм жаўын жаўмай, жер өз өнимин бермей қалады. Нәтийжеде, Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған жақсы елде тез қырылып, жоқ болып кетесиз.
18Мениң усы сөзлеримди ақыл-ойыңыз бенен жүрегиңизде сақлаңлар ҳәм қолыңызға белги қылып байлап, маңлайыңызға нышан қылып тағып қойыңлар. 19Буларды балаларыңызға үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар туўралы айтып бериң. 20Есиклериңиздиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың. 21Солай етип, Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң де, балаларыңыздың да өмири узақ болсын ҳәм жердиң үстинде аспан қанша турса, сол жерде сонша жасаңлар.
22Мен бүгин сизлерге жеткерип атырған бул буйрықлардың ҳәммесин муқыятлы түрде орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, Оның жолларынан жүрсеңиз ҳәм Оған садық болсаңыз, 23Жаратқан Ийе бул халықлардың барлығын сизлердиң алдыңыздан қуўып жибереди. Сизлер өзлериңизден гөре, көбирек ҳәм күшлирек болған халықлардың жерлерин мүлик етип, ийелеп аласыз. 24Аяғыңыз тийген ҳәр бир жер сизлердики болады. Сизлердиң жер шегараларыңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанон таўларына, шығыстағы Евфрат дәрьясынан батыстағы Жер Орта теңизине дейин созылады. 25Сизлерге ҳеш ким қарсы тура алмайды. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, аяғыңызды басқан ҳәр бир жердеги адамларды сизлерден қорқып, титирейтуғын қылады.
26Мине, бүгин мен сизлерге таңлаўыңыз ушын, жарылқаў менен нәлетти усынып атырман. 27Егер де бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынсаңыз, онда жарылқаў аласыз. 28Бирақ егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына қулақ салмай, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайлардың изинен кетип, сизлерге бүгин буйырған жолдан азғырылсаңыз, онда нәлетке ушырайсыз. 29Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип берип атырған елге сизлерди алып киргеннен кейин, Гериззим таўында жарылқаўларды, Эбал таўында нәлетлерди жәриялаңлар. 30Бул еки таў Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, усы дәрьяның тегислигинде жасайтуғын кенаанлылардың жеринде жайласқан. Олар Гилгалға жақын Море емензарының қасында. 31Сизлер тез арада Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елди мүлик етип, ийелеў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Ол жерди қолға киргизип, жайласып алғаннан кейин, 32мен бүгин сизлерге жеткерип атырған қағыйдалардың ҳәм нызамлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар».

 

12

 

Сыйыныў ушын тек ғана бир орын

 

1«Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде өмириңиз даўамында усы қағыйда ҳәм нызамларды муқыятлы түрде орынлаңлар. 2Сизлер жерлерин ийелейтуғын халықлардың бийик таўлардағы, бийикликлердеги ҳәм қойыў жапырақлы тереклердиң астындағы өз қудайларына табынатуғын орынларын бузып, пүткиллей жоқ қылыңлар. 3Олардың қурбанлық орынларын бузың, кийели тасларын сындырып таслаң, кийели ағашларын жағып жибериң ҳәм қудайларының мүсинлерин майдалап таслаң. Солай етип, олардың қудайларының атларын ол жерден жоқ қылыңлар.
4Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сол халықлардың табынғанындай етип сыйынбаңлар. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын, урыўларыңыз арасында бир жерди таңлап алады. Сизлер сол жерге барып, Оған сыйыныңлар. 6Сизлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, үсирлериңизди, бағышлаған затларыңызды, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин сол жерге алып барыңлар. 7Ол жерде сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында өз шаңарағыңыз бенен бирге ишип-жеп, Оның барлық ислериңизге берекет бергени ушын шадланыңлар.
8Бүгин бизлер усы жерде ислеп атырған ислеримизди сол жерде ислемеңлер. Бул жерде ҳәр ким өзи қәлегениндей сыйынып атыр. 9Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мүлик етип берип атырған, тынышлыққа еристиретуғын жерине еле кирмедиңиз. 10Деген менен, тез арада сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип, сизлерге беретуғын жерге орналасып аласыз. Жаратқан Ийе сизлерди дөгерегиңиздеги барлық душпанларыңыздан қорғап, тынышлыққа бөлейди. Кейин сизлер қәўип-қәтерсиз өмир сүресиз. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын, бир жерди таңлайды. Сонда мен сизлерге буйырған барлық жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, үсирлериңизди, бағышлаған затларыңызды ҳәм Жаратқан Ийеге ўәде етип атаған ең жақсы садақаларыңызды сол жерге алып барыңлар. 12Сол жерде улларыңыз, қызларыңыз, қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз, және де, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер менен Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. Өйткени сизлер сыяқлы, лебийлилердиң өзлерине тийисли жер үлеси жоқ. 13Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды дус келген жерде усыныўдан аўлақ болыңлар. 14Буларды тек Жаратқан Ийе урыўларыңыз арасынан таңлаған орында ғана усыныңлар. Мен сизлерге буйырғанлардың ҳәммесин сол жерде орынлаңлар.
15Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген берекетине жараса, жасап атырған ҳәр бир қалаңызда қәлегениңизше мал сойып, гөшин жеўиңизге болады. Адам ҳарам болсын, пәк болсын, жейран ямаса суўын гөшинен жегендей, бул гөштен жеўине болады. 16Бирақ сизлер малдың гөшин қаны менен бирге жемеңлер, оның қанын суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер. 17Және де, дәнлериңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың үсирлерин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды ҳәм бағышлаған садақаларыңызды жасап атырған қалаларыңызда жемеңлер. 18Ал сизлер буларды ул-қызларыңыз, қулларыңыз, шорыларыңыз ҳәм қалаларыңызда жасап атырған лебийлилер менен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында, Оның таңлаған жеринде жеңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң барлық ислериңизге берекет бергенине шадланыўыңыз керек. 19Елиңизде жасаған ўақтыңызда, лебийлилерди умытып кетиўден аўлақ болыңлар.
20Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәдеси бойынша шегараңызды кеңейткенде, гөш жеўди қәлесеңиз, қәлеген ўақтыңызда гөш жеўиңизге болады. 21Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын таңлаған жер сизлер турған жерден узақ болса, мен буйырғандай, Жаратқан Ийе сизлерге берген ири ҳәм майда малларыңыздан сойып, өз қалаларыңызда қәлегениңизше гөш жеўиңизге болады. 22Ҳарам адам болса да, пәк адам болса да, жейран ямаса суўын гөшиндей, сол гөштен жеўине болады. 23-24Бирақ оның гөшин қаны менен бирге жемеңлер. Себеби денеге жан беретуғын қандур. Гөш пенен бирге жан жемеңлер, қанды суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер. 25Усылай ислесеңиз сизлерге ҳәм әўладларыңызға жақсы болады. Солай етип, сизлер Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған исти қылған боласыз.
26Ал мухаддес қурбанлықларыңызды ҳәм усыған киретуғын ўәде етип атаған қурбанлықларыңызды болса, Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыўыңыз тийис. 27Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, олардың гөшин ҳәм қанын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында усыныңлар. Басқа қурбанлықларыңыздың қаны Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының қасына төгилсин, ал олардың гөшинен жеўиңизге болады. 28Мен сизлерге берип атырған бул буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар. Сонда өзлериңизге де, әўладларыңызға да ҳәмме ўақытта жақсы болады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған исти ислеген боласыз.

 

Жалған қудайларға табынбаңлар

 

29Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер жерлерин ийелейин деп атырған халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып, қырып таслайды. Кейин сизлер олардың жерлерин ийелеп, сол жерлерде жайласып аласыз. 30Сол халықларды жоқ қылғаныңыздан кейин, олардың диний дәстүрлерин ислеп, дузағына түсиўден абайлы болыңлар. Сизлер: „Бул халықлар қудайларына қалай табынған екен? Бизлер де сондай қылайық“, – деп олардың қудайлары ҳаққында сорастырмаңлар. 31Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге олардың табынғанындай етип, сыйынбаңлар. Себеби олар Жаратқан Ийе жек көретуғын ҳәр түрли жеркенишли ислерди ислейди. Ҳәттеки, ол халықлар қудайларына арнап, ул-қызларын отта жандырады.
32Мен сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Бул буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаң да, алып тасламаң да».

 

13

 

1«Егер сизлердиң араңыздан бир пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын биреў пайда болып, ол: „Бир нышан ямаса кәрамат көрсетемен“, – деп айтса, 2усы айтқан нышан ҳәм кәраматларды ислеп, кейин ол адам: „Келиңлер, сизлер танымаған басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет қылайық“, – десе, 3сизлер сол пайғамбардың ямаса түсинде аян көриўшиниң сөзлерине қулақ салмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзин пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен сизлердиң сүйетуғыныңыз ямаса сүймейтуғыныңызды билиў ушын, сынап атырған болады. 4Сизлер тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийениң изинен жүрип, Оннан қорқыңлар. Оның буйрықларына бойсынып, сөзлерине қулақ салыңлар. Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оған садық қалыңлар. 5Ал сол пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын адам өлтирилиўи тийис. Себеби ол үгитлеп, Мысыр елинен алып шыққан, Мысырдағы қуллықтан азат еткен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сизлерди қарсы қоймақшы болды. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған жолынан шығарып, азғырмақшы болды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
6Ҳәттеки, бир анадан туўылған туўысқаныңыз ямаса ул-қызыңыз, сүйген ҳаялыңыз ямаса ең жақын достыңыз сизлерди өзиңиз де, ата-бабаларыңыз да танымаған басқа қудайларға табыныўға қупыя түрде үгитлеўи мүмкин. 7Олардың бири сизлерди әтирапыңыздағы алыс-жақын жерде жасап атырған, дүньяның бир шетинен екинши шетине дейин жасайтуғын халықлардың қудайларына сыйыныўды үгитлеўи мүмкин. 8Бирақ сизлер буған ыразы болып, оған қулақ салмаңлар. Ондай адамға реҳимлилик көрсетпеңлер, оны қорғамаңлар. 9Ондай адамды сөзсиз өлтирип таслаңлар. Оны өлтириў ушын биринши болып сен қолыңды көтер, кейин пүткил халық қол көтерсин. 10Оны тас боран қылып өлтириңлер. Себеби ол сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийеден жүз бурдырып, азғырыўға ҳәрекет етти. 11Сонда пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқады. Буннан кейин, араңызда ҳеш ким усыған уқсаған жаўыз ис қылмайтуғын болады.
12Егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге жасаўыңыз ушын берип атырған қалалардың биринде, 13жаман адамлар шығып: „Жүриңлер, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайларға табынайық“, – деп қала турғынларын азғырғанын еситсеңиз, 14онда олар ҳаққында сорастырып, жақсылап тексериң. Егер сол жеркенишли ўақыя шынында да жүз берген болса, еситкенлериңиз дәлилленсе, 15сол қаланың пүткил турғынларынан баслап, ҳайўанларына дейин қылыштан өткизиңлер. Сол қаланы ҳәм ондағы барлық затларды пүткиллей жоқ қылыңлар. 16Қаладан алынған олжалардың барлығын қала майданына жыйнаңлар. Қаланы ҳәм сол жердеги барлық олжаны Қудайыңыз Жаратқан Ийеге толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип жағып жибериңлер. Сол қала мәңгиге қарабақанаға айланған ҳалында қалсын, ол ҳеш қашан қайта тикленбесин. 17Жоқ қылынатуғын затлардан ҳеш биреўин де өзлериңизге алмаңлар. Сонда Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби қайтып, Ол ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерге мийрим-шәпәәт, реҳим көрсетип, сизлерди көбейтеди. 18Соның ушын, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға бойсынып, Оның нәзеринде дурыс болған ислерди ислеңлер».

 

14

 

Аза тутыў ҳаққында

 

1«Сизлер – Қудайыңыз Жаратқан Ийениң балаларысыз. Марҳумға аза тутқаныңызда, денелериңизди тилип, шашыңыздың алдын қыйдырмаңлар. 2Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан сизлерди Өз халқы ҳәм ғәзийнеси қылыў ушын таңлап алды.

 

Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанлар

 

(Лебий 11:1–47)

 

3Сизлер жеркенишли саналатуғын ҳайўанлардың гөшин жемеңлер. 4Мына ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады: сыйыр, қой, ешки, 5суўын, жейран, қызыл антилопа, таў ешкиси, жабайы өгиз, ақ антилопа ҳәм таў қошқары. 6Туяқлары терең етип екиге айырылған аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин жеўиңизге болады. 7Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе, қоян ҳәм даман[3]. Булар гүйис қайтарады, бирақ аша туяғы жоқ. Сонлықтан олар сизлер ушын ҳарам болады. 8Шошқа аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер.
9Суўда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы жаныўардың гөшин жеўиңизге болады. 10Бирақ қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳеш бирин жемеңлер. Булар сизлер ушын ҳарам саналады.
11Ҳадал саналатуғын барлық қусларды жеўиңизге болады. 12Гөшин жеўге болмайтуғын қуслар мыналар: бүркит, күшеген, қара қус, 13шайқус, лашын ҳәм оның түрлери, 14ғарғаның барлық түрлери, 15үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери, 16үй байыўлысы, қулақлы жапалақ, ақ қуў, 17бирқазан, сипа, қарабай, 18ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат.
19Қанатлы шыбын-ширкейлер сизлер ушын ҳарам саналады. Олардың ҳеш бирин жемеңлер. 20Бирақ қанатлы шыбын-ширкейлердиң базылары ҳадал болып, оларды жеўиңизге болады.
21Ҳарам өлип қалған ҳайўанның гөшин жемеңлер. Ондай өли ҳайўанды жеўи ушын қалаңызда жасап атырған келгинди биреўге бериўиңизге ямаса басқа бир жат жерли адамға сатыўыңызға болады. Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз.
Ылақты өз анасының сүтине писирмеңлер.

 

Оннан бири ҳаққында нызам

 

22Ҳәр жылы атызларыңызда жетистирилетуғын барлық өнимлердиң оннан бирин айырып қойыңлар. 23Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың оннан бирин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллерин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде, Оның алдында жеңлер. Солай ислеп, ҳәмме ўақытта Оннан қорқыўды үйренесиз. 24Ал егер де, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жери узақ болып, Қудайыңыз Жаратқан Ийе берекетлеп берген өниминен оннан бирин сол жерге алып барыўға мүмкиншилигиңиз болмаса, 25онда сол затларды гүмиске алмастырыңлар. Гүмисти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыңлар. 26Сол гүмиске қәлеген нәрсени: ири ямаса майда мал, шарап, өткир ишимлик ямаса кеўлиңиз күсеген басқа бир нәрсе сатып алып, өз шаңарағыңыз бенен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеп, шадланыңлар.
27Қалаларыңызда жасап атырған лебийлилерди умытып қалдырмаңлар. Себеби олардың өзлерине тийисли үлес жери жоқ. 28Ҳәр үшинши жылдың ақырында, сол жылы алған өнимиңиздиң барлық оннан бир бөлегин алып, өз қалаңызға жыйнап, сақлап қойыңлар. 29Солай етип, үлес жери болмаған лебийлилер, және де, қалаларыңызда жасап атырған келгиндилер, жетим ҳәм жесирлер келип, соннан ишип-жеп тойсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди».

 

15

 

Жетинши жыл

 

1«Ҳәр жетинши жылдың ақырында сизлерге қарыздар болғанларды қарызларынан кешип жибериңлер. 2Қарызларды кешип жибериў ушын былай ислеңлер: израиллы бир туўысқанына қарыз берген ҳәр бир адам қарызын кешип жиберсин ҳәм оннан қайтып талап қылмасын. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи қарызларды кешип жиберилиўди жәриялады. 3Жат жерли адамнан қарызыңызды сорасаңыз болады. Бирақ израиллы туўысқаныңа берген қарызыңнан кешип жибериўиң тийис.
4Сизлердиң араңызда ҳеш қандай жарлы адам болмасын. Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип берип атырған елде сизлерге берекет береди. 5Тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салып, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған усы буйрықларды муқыятлы түрде орынлаўыңыз керек. 6Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзи ўәде бергениндей сизлерге берекет береди. Сонда сизлер көп халықларға қарыз беретуғын боласыз, ал өзлериңиз қарыз алмайсыз. Көп халықлардың үстинен ҳүкимдарлық қыласыз, бирақ олар сизлерге ҳүкимдарлық етпейди.
7Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елдеги қалалардың биринде израиллы туўысқаныңыздың бири жарлы болса, жүреклериңизди тас қылмай, жәрдем қолыңызды аямаңлар. 8Керисинше, сизлер ашық қол болыңлар ҳәм оған мүтәжлигине қарап, қарыз бериңлер. 9Сақ болыңлар, қарызларды кешип жиберетуғын жетинши жыл жақынлап қалғаны ушын, жарлы туўысқаныңызға жәрдем бериўден бас тартпаңлар. Кеўлиңизде усындай жаман ойға жол қоймаңлар. Егер де сондай туўысқаныңызға жәрдем бериўден бас тартсаңыз, онда ол Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзлериңизге гүна арттырып аласыз. 10Оған қыйналмастан ашық кеўлиңиз бенен қарыз бериңлер. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. 11Елиңизде ҳәмме ўақытта жарлы адамлар болады. Соның ушын, елиңиздеги жәрдемге мүтәж жарлы туўысқанларыңызға ҳәмме ўақытта жәрдем қолыңыз ашық болыўын буйыраман.

 

Қул ҳәм шорылар ҳаққында

 

12Егер еврей туўысқаныңыздан бир еркек ямаса ҳаял сизге өзин хызметке сатса, ол алты жыл саған хызмет етсин, ал жетинши жылы оны азат қылыўың тийис. 13Оны азат қылғаныңызда, қолын бос жибермең. 14Оған сүриўиңиздеги малыңыздан, дәниңизден ҳәм шарабыңыздан мол-мол етип бериң. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген берекетинен, оған да бериң. 15Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол жерден сизлерди азат еткенин есте тутыңлар. Соның ушын да, бүгин мен сизлерге усы буйрықты берип атырман.
16Егер қулыңыз сизди ҳәм шаңарағыңызды жақсы көрип, сизлер менен бирге қалыўды қәлесе ҳәм „Сизиң қасыңыздан кетиўди қәлемеймен“ деп айтса, 17онда оны есигиңиздиң қасына алып барың. Кейин оның қулағын есикке қойып, биз бенен тесиң. Сонда ол өмири бойы қулыңыз болып қалады. Шорыңызға да солай ислеўиңиз керек. 18Қулыңызды азат қылғаныңызда өкинбең. Себеби сизге хызмет еткен сол алты жыл даўамында, ол жалланба хызметшиден гөре еки есе көп жумыс иследи. Оны азат қылсаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.

 

Ири ҳәм майда маллардың биринши туўылған төллери ҳаққында

 

19Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған ҳәр бир еркек төлин Қудайыңыз Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малыңыздың биринши туўылған буғасын жумысқа қоспаң, биринши туўылған майда малыңыздың жүнин қырқып алмаң. 20Булардың гөшин шаңарағыңыз бенен бирге ҳәр жылы Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында, Оның таңлап алатуғын жеринде жеңлер. 21Егер де сол мал ақсақ ямаса соқыр болса ямаса оның басқа бир кемшилиги болса, оны Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлыққа бермең. 22Бундай малларды өз қалаңызда жесеңиз болады. Пәк адам болса да, напәк адам болса да, жейран ямаса суўынның гөшиндей етип сондай малдың гөшинен жеўине болады. 23Бирақ оның гөшин қаны менен бирге жемеңлер. Оның қанын суў сыяқлы топыраққа ағызып жибериңлер».

 

16

 

Қутқарылыў асы

 

1«Абиб айында[4] Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Абиб айында, түнде сизлерди Мысырдан алып шықты. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде майда ҳәм ири малларыңыздан Қутқарылыў қурбанлықларын шалыңлар. 3Қурбанлықтың гөши менен бирге ашытқы салынған нан жемеңлер. Жети күн даўамында ашытқысыз нан, яғный қыйын күнлерде жейтуғын нан жеўиңиз керек. Себеби сизлер Мысырдан асығып шығып кеткениңизде, ашытқысыз нан жеген едиңлер. Усы нанды жеп, өмириңиз даўамында Мысырдан шыққан күниңизди еслеп жүресизлер. 4Жети күн даўамында елиңиздиң ҳеш бир жеринде ашытқы болмасын. Байрамның биринши күни кеште қурбанлық қылған малларыңыздың гөшинен таңға дейин аўысып қалмасын.
5Қутқарылыў қурбанлықларын Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалалардың ҳәммесинде соймаңлар. 6Ал оны тек ғана Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жеринде сойыңлар. Буны күн бататуғын ўақытта, Мысырдан шыққан мезгилде сойыңлар. 7Оның гөшин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде писирип жеңлер ҳәм таң атқанда өз шатырларыңызға қайтыңлар. 8Алты күн ашытқысыз нан жеңлер. Жетинши күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап, салтанатлы жыйналыс қылыңлар. Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер.

 

Ҳәптелер байрамы

 

9Егинди орып баслаған ўақыттан баслап, жети ҳәпте санаңлар. 10Кейин Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арналған Ҳәптелер байрамын байрамлаңлар ҳәм сол ўақытта Оның сизлерге берген берекетине жараса, ықтыярлы садақаларыңызды бериңлер. 11Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, араңызда жасайтуғын келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. 12Мысырда қул болғаныңызды умытпаңлар ҳәм усы қағыйдалардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар.

 

Қос байрамы

 

13Қырманыңыздан дәниңизди жыйнап, жүзимиңизди сығып шарабын алғаннан кейин, жети күн даўамында Қос байрамын байрамлаңлар. 14Сизлер ул-қызларыңыз, қул ҳәм шорыларыңыз, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер, келгиндилер ҳәм жетим-жесирлер менен бирге усы байрамда шадланыңлар. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жеринде жети күн даўамында Оған арнап байрам өткериңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе зүрәәтиңиздиң барлығын ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизди берекетлейди. Сонлықтан, үлкен қуўанышқа бөлениңлер.
16Солай етип, барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте: Ашытқысыз нан байрамында, Ҳәптелер байрамында ҳәм Қос байрамында Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында болыўы ушын, Оның таңлайтуғын жерине келсин. Ҳеш ким Жаратқан Ийениң алдына қуры қол келмесин. 17Ҳәр бириңиз Қудайыңыз Жаратқан Ийениң өзлериңизди берекетлегенине жараса сыйлар алып келиңлер.

 

Әдил ҳүким ҳаққында

 

18Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын қалаларында ҳәр бир урыў ушын қазылар ҳәм қадағалаўшыларды тайынлаңлар. Олар халықты әдиллик пенен ҳүким етсин. 19Олар ҳүким еткенде, әдилликти бурмаламасын, еки жүзлилик қылмасын ҳәм пара алмасын. Себеби пара дана адамның көзин соқыр қылып қояды ҳәм ҳақты наҳаққа шығарады. 20Өмир сүриўиңиз ушын ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елди мүлик етип алыўыңыз ушын әдилликке, тек ғана әдилликке умтылыңлар.
21Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын қуратуғын қурбанлық орынның қасына кийели ағаш орнатпаңлар! 22Кийели тас та орнатпаңлар! Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе булардан жеркенеди».

 

17

 

1«Ҳәр қандай кемшилиги бар ири мал ямаса майда малды Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық қылмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе буннан жеркенеди.
2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған қалаларының биринде Оның нәзеринде жаўызлық болған ис қылып, келисимине қыянет ететуғын бир еркек ямаса ҳаял шықса 3ҳәм буйрықларыма қарамастан, басқа қудайларға хызмет етсе, сол қудайларға, қуяшқа ҳәм айға ямаса басқа да аспан денелерине табынса, 4кейин бул ҳаққында сизлерге хабар жетсе, еситкенлериңизди жақсылап тексериңлер. Егер де Израил халқының арасында шынында да сондай жеркенишли ис исленгени дәлилленсе, 5онда сол еркекти ямаса ҳаялды қала дәрўазасының сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер. 6Деген менен, өлимге ҳүким етилген адам еки ямаса үш адамның гүўалығы менен өлтирилиўи тийис, бирақ бир адамның гүўалығына тийкарланып өлтирилмесин. 7Сол гүна ислеген адамға биринши болып гүўалар тас ылақтырсын, соннан кейин пүткил халық тас боран қылсын. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
8Егер қалаңызда абайсыздан ямаса қастан адам өлтириўшилик, ҳуқық таласыў ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў туўрысындағы даўларды шешиўиңиз қыйын болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине барыңлар. 9Сол жерде сизлер лебийли руўханийлер ҳәм сол ўақытта хызмет етип атырған қазылар менен мәсләҳәтлесиңлер. Олар ҳүким шығарып, өз қарарын сизлерге мәлим қылады. 10Жаратқан Ийениң таңлаған жеринен олардың сизлерге айтатуғын қарарын муқыятлы түрде орынлаңлар. 11Олар түсиндирип берген нызамды ҳәм шығарған ҳүкимди толығы менен орынлаўыңыз тийис. Олар жәриялаған қарардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер. 12Ким де ким өз басымшылық қылып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған руўханийге ҳәм қазыға қулақ салмаса, ол адам өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар. 13Пүткил халық бул ўақыяны еситип қорқады ҳәм және өз басымшылық қылмайтуғын болады.

 

Патша ҳаққында қағыйдалар

 

14Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елге барып, ол жерди мүлик етип, жайласып алғаннан кейин: „Әтирапымыздағы халықлар сыяқлы бизлер де өзлеримизге патша сайлайық“, – деп айтарсыз. 15Сонда сизлер сайлайтуғын патша Қудайыңыз Жаратқан Ийе тәрепинен таңланатуғын адам болыўы тийис. Сайлайтуғын патшаңыз Израил халқынан болсын. Өз халқыңыздан болмаған жат жерли адамды патша қылып қоймаңлар. 16Патшаның көп аты болмасын, және де ат сатып алыў ушын адамларды Мысырға жибермесин. Өйткени Жаратқан Ийе сизлерге: „Ол жерге қайтып бармаңлар“, – деген еди. 17Сайлайтуғын патшаңыз көп ҳаял алмасын, болмаса, ол Жаратқан Ийеден жүз бурып кетеди. Және де, ол өзи ушын көп муғдарда гүмис ҳәм алтын жыйнамасын.
18Ол патшалық тахтқа отырғанда, лебийли руўханийлер сақлап қойған усы Нызамнан бир көширмени өзи ушын жаздырып алсын. 19Сол Нызамның көширмеси ҳәмме ўақытта патшаның қасында болсын. Патша оны ҳәр күни өмири даўамында оқысын. Солай етип, ол Қудайы Жаратқан Ийеден қорқып, усы Нызамның барлық сөзлерине ҳәм қағыйдаларына әмел қылыўды үйренсин. 20Ол өзин туўысқанларынан жоқары санамасын ҳәм Жаратқан Ийениң буйрықларынан оңға да, солға да бурылмасын. Сонда өзи де, урпағы да Израилдың үстинен узақ жыллар даўамында патшалық етеди».

 

18

 

Руўханийлердиң үлеси

 

1«Лебийли руўханийлер, пүткил Лебий урыўы менен бирге басқа израиллылар сыяқлы үлес те, мүлик те алмайды. Оларға тийисетуғын үлес Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлар болып, олар солардан жейди. 2Туўысқанлары арасында олардың мүлки болмайды. Жаратқан Ийениң лебийлилерге ўәде бергениндей, Оның Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.
3Мал ямаса қой қурбанлық етилгенде, руўханийлерге тийисли пай мыналардан ибарат: малдың алдынғы сан жилиги, жағы ҳәм асқазаны. 4Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың биринши өнимин ҳәм қойларыңыздың биринши қырқылған жүнлерин руўханийге бериң. 5Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Лебий урыўы Өзиниң алдында турып, Жаратқан Ийениң аты менен мәңги хызмет етиўи ушын, оларды пүткил урыўларыңыздың ишинен таңлап алды.
6Егер бир лебийли Израилдағы өзи жасап атырған қаладан Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине өз қәлеўи менен барса, 7сол жерде Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған лебийли туўысқанлары сыяқлы ол да Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен хызмет етиўине болады. 8Ол ата-бабаларының мийрасынан қалған затты сатып, өз пайдасына алған болса да, басқа лебийлилер менен бирдей өзине тийисли үлесин алыўы керек.

 

Басқа халықлардың жеркенишли үрп-әдетлеринен сақланыў

 

9Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жерине киргениңизде, ол жердеги халықлардың жеркенишли үрп-әдетлерин үйренбеңлер. 10Сизлердиң араңызда өз улын ямаса қызын отта қурбанлық қылатуғын, пал ашатуғын, адамның келешегин болжайтуғын, белгилерди жорыйтуғын, сыйқыршылық қылатуғын, 11зикир салатуғын, руўх шақыратуғын ямаса өлилер менен тиллесип, мәсләҳәт алатуғын бирде бир адам болмасын. 12Себеби Жаратқан Ийе сондай ислейтуғынлардан жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе усындай жеркенишли үрп-әдетлери себепли сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атыр. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында минсиз болыңлар.

 

Пайғамбар жибериў ҳаққында

 

14Сизлер елин алып атырған сол халықлар болжаўшылар менен палкерлердиң үгит-нәсиятына қулақ салады. Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң булай ислеўиңизге рухсат бермейди. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын араңыздан, өз туўысқанларыңыздан мен сыяқлы бир пайғамбар шығарады. Оған қулақ салыңлар. 16Сизлер Хореб таўында жыйналған күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеден өзлериңиз мынадай деп тилеген едиңиз: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын екинши мәрте еситпейик, сол уллы отты да басқа көрмейик, болмаса өлип қаламыз“. 17Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: „Олардың айтқанлары дурыс. 18Олар ушын өзлериниң арасынан сен сыяқлы бир пайғамбар шығараман. Мениң сөзлеримди оның аўзынан еситеди. Сол пайғамбар Мен айт деп буйырғанларымның ҳәммесин оларға жеткереди. 19Ол Мениң атымнан сөйлейди, оған қулақ салмаған адамды Мен Өзим жуўапкершиликке тартаман. 20Бирақ бир пайғамбар Мен буйырмаған сөзди Мениң атымнан сөйлеўге жүрексинсе ямаса басқа қудайлардың атынан сөйлесе, ол өлиўи тийис“.
21Сизлер: „Жаратқан Ийениң айтқанын ямаса айтпағанын қаяқтан билемиз?“ – деп ойлаўыңыз мүмкин. 22Егер де бир пайғамбар Жаратқан Ийениң атынан сөйлесе, бирақ айтқан сөзлери орынланбаса ямаса әмелге аспаса, онда сол сөзди Жаратқан Ийе айтпаған болады. Пайғамбар өз атынан сөйлеген, оннан қорқпаңлар».

 

19

 

Паналайтуғын қалалар

 

(Санлар 35:9-34;Ешуа 20:1-9)

 

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе жерлерин сизлерге берип атырған халықларды жоқ қылғанда, сизлер сол жерлерди мүлик етип алып, қалаларына ҳәм үйлерине жайласып аласыз. 2-3Сонда елди үш бөлимге бөлиңлер. Ҳәр бир бөлимнен бир пана қаладан ажыратыңлар. Сол қалаларға баратуғын жоллар салыңлар, солай етип, адам өлтирип қойған адам сол қалалардың бирине қашып, паналасын.
4Сондай жағдай басына түскен адамға байланыслы қағыйда мынадай: егер бир адам абайсызда биреўди өлтирип қойса ҳәм оның алдын ала онда қаслығы болмаса, онда ол сол жерге қашып қутылыўы мүмкин. 5Мысалы: бир адам биреў менен бирге ағаш таярлаўға тоғайға барып, ағаш шабыў ушын балтасын көтергенде, балтаның темири сабынан шығып кетсе ҳәм қасындағы адамға тийип кетип, оны өлтирип алса, онда усындай абайсызда адам өлтирип қойған адам сол пана қалалардың бирине қашып, жанын қутқарып қалсын. 6Болмаса, өлген адамның өшин алыўшы әменгер ашыўланып, қанхордың изинен қуўыўы мүмкин ҳәм пана қалаға баратуғын жол узақ болғаны ушын, оған жетип алып, оны өлтириўи мүмкин. Деген менен, өлтирген адам өлимге ылайықлы емес, себеби өлген адамға оның алдын ала қаслығы болмаған. 7Сизлерге үш қаланы өзлериңиз ушын айырып қойыңлар, деп буйырғанымның себеби усы еди.
8-9Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, ҳәмме ўақытта Оның жолларынан жүриң, деп сизлерге буйрық бердим. Егер де, сизлер усы буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға ишкен анты бойынша жер шегараларыңызды кеңейтеди ҳәм ўәде қылған пүткил елди сизлерге береди. Сонда сизлер айырып қойған үш қалаңызға және үш пана қала қосыңлар. 10Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип беретуғын елде айыпсыз адамның қаны төгилмесин. Айыпсыз адамның төгилген қаны ушын айыплы болып қалмаңлар.
11Бирақ бир адам биреўге қаслық етип, буққыда жатса ҳәм ҳүжим етип, оны өлтирсе, кейин ол сол қалалардың биреўине қашып барса, 12онда сол жынаятшы жасаған қаладағы ақсақаллар оның изинен адам жиберип, оны қайтарып алып келсин. Жынаятшы өлген адам ушын өшин алыўшының қолына тапсырылсын. Солай етип, ол өлтирилиўи керек. 13Ондай адамды аяп отырмаңлар. Айыпсыз қанды төгиў гүнасынан Израилды тазалаңлар. Сонда өзлериңизге жақсы болады.
14Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде қоңсыңыздың бурыннан белгиленген жер шегарасын жылжытыўшы болмаңлар.

 

Гүўалар ҳаққында

 

15Биреўди қандай да жынаят ямаса гүна ислеген, деп айыплаў ушын бир гүўа жетерли емес. Бул еки ямаса үш адамның гүўалығы менен тастыйықланыўы керек.
16Егер де бир адам жалған гүўалық берип, биреўди жаўыз нийетте айыпласа, 17онда екеўи де Жаратқан Ийениң алдына, сол ўақытта хызмет етип атырған руўханийлердиң ҳәм қазылардың алдына келсин. 18Қазылар сол мәселени жақсылап тексерип шықсын. Егер сол гүўаның туўысқанына қарсы жалған гүўалық берип атырғаны анықланса, 19туўысқанына қарсы ойлаған жаўыз нийетин өзине қайтарыңлар. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар. 20Басқалар усы болған ўақыяны еситип, қорқады ҳәм усындай жаўызлықты ҳеш ким ислемейтуғын болады. 21Жалған гүўалық берген адамды аяп отырмаңлар: жанға жан, көзге көз, тиске тис, қолға қол ҳәм аяққа аяқ».

 

20

 

Саўаш ҳаққында

 

1«Сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа шығыў ушын барғаныңызда, олардың атлары, саўаш арбалары ҳәм сизлерден гөре көп әскерлери бар екенин көрсеңиз, олардан қорқпаңлар. Өйткени сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге яр болады. 2Саўаш басламасыңыздан алдын руўханий келип, әскерлердиң алдына шығып, сөз сөйлеп, 3оларға былай деп айтсын: „Ҳәй, израиллылар, қулақ салыңлар! Бүгин сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа баратырсыз. Руўхыңыз түспесин, қорқпаңлар. Қәўетерге түсип, олардан сескенбеңлер. 4Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер менен бирге урысқа барады! Ол сизлер ушын душпанларыңызға қарсы урысып, сизлерге жеңис береди!“
5Қадағалаўшылар әскерлерге былай деп айтсын: „Араңызда таза үй қурған ҳәм оған көшип барып, қолланыўға үлгермеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның үйине басқа биреў көшип барып, жасайды. 6Жүзимзар егип, оның мийўесинен татпаған адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның жүзимин басқа биреў терип алады. 7Бир қыз бенен атастырылып болып, үйленбеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, сол қызға басқа биреў үйленип кетеди“.
8Қадағалаўшылар және былай деп айтсын: „Араңызда қорқып, руўхы түскен адам бар ма? Бар болса, үйине қайтсын. Болмаса, туўысқанлары да оған уқсап қорқысып қалады“. 9Қадағалаўшылар әскерлерге усы сөзлерди айтып болғаннан соң, әскербасылар әскерлердиң үстинен басшылық етсин.
10Бир қалаға қарсы ҳүжим етиў ушын, оған жақынласқаныңызда, қала халқына тынышлық жолы менен тәслим болыўын усыныңлар. 11Егер де олар усы тынышлық усынысыңызды қабыллап, дәрўазаларын сизлерге ашып берсе, онда қалада жасайтуғынлардың ҳәммеси ерксиз хызметшиге айланып, сизлер ушын жумыс ислейди. 12Бирақ тынышлық усынысыңызды қала халқы қабылламай, сизлер менен урысыўды қәлесе, онда қаланы қоршап алыңлар. 13Қудайыңыз Жаратқан Ийе қаланы сизлерге тәслим қылғанда, ол жерде жасап атырған барлық еркеклерди қылыш жүзинен өткизиңлер. 14Ҳаялларды, балаларды, ҳайўанларды ҳәм қаладағы ҳәр бир нәрсени өзлериңизге олжа етип алыңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген душпаныңыздың мал-мүликлерин қолланыўыңызға болады. 15Сизлер ийелеп алатуғын елиңизден узақта жайласқан қалаларға усылай ислеңлер.
16Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған жердеги қалаларда ҳеш бир тири жан қалдырмаңлар. 17Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге буйырғанындай, хетт, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын пүткиллей қырып таслаңлар. 18Болмаса, олар өзлериниң қудайларына табынып, ислейтуғын жеркенишли ислерин сизлерге үйретеди ҳәм сизлер де Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислейсиз.
19Егер де бир қаланы қолға алыў ушын, узақ ўақыт қоршап турсаңыз, оның дөгерегиндеги мийўе ағашларды шаўып, жоқ қылмаңлар. Олардың мийўелерин жеўиңизге болады, бирақ шаўып тасламаңлар. Өйткени даладағы мийўе ағашлар қорғанның ишине қашып кететуғындай адам емес-ғо. 20Тек ғана мийўе бермейтуғын тереклерди шаўып, жоқ қылыўыңызға болады. Қаланы қолға аламан дегенше, қамал қылатуғын үскенелер соғыў ушын, сол тереклерден пайдаланыўыңызға болады».

 

21

 

Кимниң өлтиргени биймәлим өлилер ҳаққында

 

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде далада жатырған бир өли дене табылса ҳәм оны кимниң өлтиргени белгисиз болса, 2ақсақалларыңыз ҳәм қазыларыңыз барып, сол өлиниң дөгерегиндеги жақын қалалардың аралығын өлшеп шықсын. 3Өлиге жақын болған қаланың ақсақаллары еле жумысқа қосылмаған, мойынтырық тағылмаған бир қашарды алсын. 4Қала ақсақаллары қашарды жери сүрилмеген, ғәлле егилмеген ҳәм ишинде ҳәмме ўақытта суў ағып туратуғын бир сайға алып барсын. Сол сайда қашардың мойнын сындырсын. 5Лебийли руўханийлер де сол жерге барсын. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Маған хызмет етсин ҳәм Мениң атым менен халықты жарылқасын деп, Лебий урыўын таңлап алды. Ҳәр түрли жәнжеллерди ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў мәселелерин олар шешеди. 6Өли дене табылған жерге ең жақын болған қаланың ақсақаллары сайда мойны сындырылған қашардың үстине қолларын жуўып, 7былай деп айтсын: „Бул адамның қанын төккен бизлердиң қолларымыз емес, буны кимниң қылғанын да көрмедик. 8Оҳ, Жаратқан Ийе! Өзиң Мысырдан азат еткен халқың израиллыларды кешире гөр. Халқың Израилды айыпсыз төгилген қанға жуўапкер қылма“. Соннан кейин, олар төгилген қанның жуўапкершилигинен азат болады. 9Сонда Жаратқан Ийеге мақул болған исти қылған боласыз, айыпсыз қанды төгиў гүнасынан өзлериңизди тазалайсыз.

 

Тутқынға түскен қызға үйлениў ҳаққында

 

10Қудайыңыз Жаратқан Ийе саўашта душпанларыңызды сизлерге тәслим қылғанда ҳәм сизлер оларды тутқын қылғаныңызда, 11олардың арасынан сулыў бир қызды көрип, унатып қалсаңыз, онда оған үйлениўиңизге болады. 12Сол қызды үйиңизге әкелиң. Қыз шашын қырқып, тырнақларын алып тасласын. 13Ол үстиндеги тутқынлық кийимин алмастырсын ҳәм бир ай даўамында әке-шешесин жоқлап, үйиңизде жасасын. Кейин жигит қызға жақынлап, оған күйеў, қыз оның ҳаялы болады. 14Егер кейинирек қыз жигитке унамай қалса, оны азат қылып жиберсин. Сол қызды ҳаял болыўға мәжбүрлегени ушын, оны пулға сатпасын ҳәм оған қул сыпатында қатнас жасамасын.

 

Туңғыш улдың мийраслық ҳуқықы

 

15Егер бир адамның еки ҳаялы болса, ол биреўин сүйип, екиншисин жақсы көрмесе, екеўи де оған бир улдан туўып берсе, туңғыш улы жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласы болса, 16онда ол адам мал-мүлкин улларына мийрас етип бөлистирген күни жақсы көрген ҳаялының баласын үстин қойып, оған туңғышлық ҳуқықын бермесин. 17Жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласын туңғыш ул деп тән алсын ҳәм оған барлық мал-мүлкинен еки есе етип мийрас берсин. Өйткени сол ул әкесиниң белиндеги қуўаттың биринши мийўеси болады. Туңғышлық ҳуқық оған тийисли.

 

Бойсынбайтуғын ул

 

18Егер де бир адамның тентек, қайсар, ата-анасына бойсынбайтуғын, оны қанша жазаласа да, тыңламайтуғын бир улы болса, 19онда ата-анасы оны услап, қала дәрўазасында мәселе шешетуғын қала ақсақалларының алдына алып келсин. 20Баланың ата-анасы оларға былай деп айтсын: „Улымыз тентек ҳәм бойсынбайды. Бизлердиң сөзлеримизге қулақ салмайды. Ол ашкөз ҳәм мәскүнем“. 21Соннан кейин, қаланың барлық адамлары сол баланы тас боран қылып өлтирсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар. Пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқатуғын болады.

 

Ҳәр түрли нызамлар

 

22Егер бир адам өлим жазасына тартылатуғын гүна ислесе, сизлер оны өлтирип, ағашқа асып қойсаңыз, 23өли денени түн бойы ағашта асыўлы қалдырмаң. Оны сол күни жерлеңлер. Өйткени ағашқа асылған адам Қудай тәрепинен нәлетленгендур. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди ҳарамламаңлар».

 

22

 

1«Егер де бир израиллы туўысқаныңыздың адасқан сыйырын ямаса қойын көрсеңиз, өзиңизди көрмегенге салмаңлар. Оны өз ийесине апарып бериңлер. 2Егер де малдың ийеси сеннен узақта болса ямаса кимниң малы екенин билмесең, оны өзиңниң үйиңе алып бар. Малдың ийеси малын излеп келген ўақытта, оған қайтарып бересең. 3Туўысқаныңның ешегин, кийимин ямаса басқа да жойтқан нәрселерин таўып алғаныңызда да анық солай ислеңлер. Өзиңизди көрмегенге салмаңлар.
4Және де, израиллы бир туўысқаныңыздың ешеги ямаса сыйыры жолда қулап жатырғанын көрип қалсаңыз, оны көрмегенге салмаңлар. Оларды аяққа турғызыў ушын туўысқаныңызға жәрдем бериңлер.
5Ҳаяллар еркектиң кийимин, еркеклер ҳаял адамның кийимин киймесин. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бундай қылғанлардан жеркенеди.
6Жол-жөнекей теректе ямаса жерде бир қустың уясына дус келип қалсаңыз, қус мәйек басып атырған ямаса палапанлары менен отырған болса, қусты палапанлары менен бирге қосып алмаңлар. 7Өзиңизге тек ғана палапанларын алыўыңызға болады, бирақ анасын босатып жибериңлер. Сонда сизлерге жақсылық келип, өмириңиз узақ болады.
8Таза үй салғаныңызда, төбесин жийеклеп, қоршаў ислеп шығыңлар. Сонда үйиңиздиң төбесинен биреў жерге қулап, өлип қалса, шаңарағыңыз буған жуўапкер болмайды.
9Жүзимзарыңызға жүзимнен басқа егин екпеңлер. Болмаса, еккен туқымыңыз да, жүзимзарыңыз да ҳарам болып, өзлериңиз қоллана алмайсыз.
10Жерди сүриў ушын ешек пенен өгизди бир гүндеге қоспаң.
11Жүн ҳәм зығырдан араластырылып тоқылған кийим киймең.
12Кийимиңиздиң етеклериниң төрт мүйешине шашақ ислетип, тиктирип қойыңлар.

 

Неке ҳадаллығына байланыслы қағыйдалар

 

13Егер биреў үйленип, қыз бенен жатқаннан кейин, оны унатпай қалса 14ҳәм оны айыплап: „Бул қызға үйлендим, бирақ оның менен жатқанымда, ол қыз болмай шықты“, – деп жаман атлы қылса, 15қыздың ата-анасы қызының пәклигин дәлиллейтуғын төсектеги қызлық белгини алып, ақсақалларға көрсетиў ушын қала дәрўазасына алып барсын. 16Қыздың әкеси ақсақалларға былай десин: „Қызымды мына жигитке узатқан едим. Ал кейин ол қызымды унатпай қалыпты. 17Енди болса, қызыңыз қыз болып шықпады, деп жалған айыплап атыр. Бирақ мынаў қызымның пәклигин дәлиллейтуғын қызлық белгиси!“ Кейин қыздың ата-анасы қызының қызлық белгиси бар төсекти ақсақаллардың көз алдында жайып, көрсетсин. 18Қала ақсақаллары үйленген жигитти әкелдирип, сабалап жазаласын. 19Және де, ақсақаллар сол жигитке айыбы ушын жүз шекел гүмис төлетсин. Жигит израиллы пәк бир қызды жаман атлы қылғаны ушын, гүмисти қыздың әкесине берсин. Қыз сол жигиттиң ҳаялы болып қалсын ҳәм жигит өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
20Ал егер де сол адамның айтқанлары дурыс болып, қыздың пәклигиниң дәлили болмаса, 21қызды әкесиниң үйиниң есигине алып барсын. Қала халқы сол қызды тас боран қылып өлтирсин. Өйткени ол әкесиниң үйинде жасаған ўақтында бузықлық қылып, Израилда жеркенишли ис қылды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
22Егер де бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен жатқан жеринен усланса, онда еркек те, ҳаял да өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар.
23Егер бир адам қалада басқа биреў менен атастырылып қойылған бир қызды ушыратып қалып, оның менен жатса, 24екеўи де қала дәрўазасының қасына алып барылсын ҳәм тас боран қылып өлтирилсин. Себеби қыз қаланың ишинде болса да жәрдем сорап, даўыслап бақырмады, ал еркек болса, басқа биреўдиң болажақ ҳаялының абырайын төкти. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
25Егер де бир адам атастырылып қойылған бир қызды далада ушыратып қалып, оны услап алып зорласа, онда тек сол зорлаған адам ғана өлтирилсин. 26Қызға ҳеш нәрсе қылмаңлар. Өйткени қыздың өлимге ылайық ҳеш қандай айыбы жоқ. Бул биймәлел биреўге ҳүжим қылып, оны өлтирген адамның исине уқсайды. 27Себеби ол адам атастырылған қызды ашық далада услап алған, ал қыз болса, жәрдем сорап, бақырған. Деген менен, қутқаратуғын ҳеш ким болмаған.
28Егер де бир адам атастырылмаған бир пәк қызды ушыратып, оны услап алса ҳәм оның менен жатқан жеринен усланса, 29қыз бенен жатқан адам қыздың әкесине елиў шекел гүмис берсин. Ол қызды зорлағаны ушын, оған үйленсин ҳәм өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
30Ҳеш ким әкесиниң ҳаялына үйленбесин, усылай ислеп, әкесин шерменде қылмасын».

 

23

 

Жаратқан Ийениң жәмийетиниң арасына кирмейтуғынлар

 

1«Туқым бези езилген ямаса жынысый ағзасы кесилген адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди.
2Некесиз туўылған бала Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди, ҳәттеки, оның кейинги оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алмайды.
3Аммон ямаса моаб халқынан болған адам Жаратқан Ийениң жәмийетине кирмейди. Ҳәттеки, олардың оныншы әўладына дейин Жаратқан Ийениң жәмийетине ҳасла кире алмайды. 4Өйткени Мысырдан шығып киятырғаныңызда, олар жолда сизлерди нан ҳәм суў менен күтип алмады. Және де, Арам-Наҳарайымдағы Петор қаласынан болған Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын жаллаған еди. 5Деген менен, Қудайыңыз Жаратқан Ийе Биламға қулақ салыўды қәлемеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын, нәлетти жарылқаўға айландырды. 6Өмириңиз даўамында олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер.
7Эдомлылардан болса, жеркенбеңлер, олар сизлердиң туўысқаныңыздур. Мысырлылардан да жеркенбеңлер. Өйткени олардың жеринде сизлер келгинди болып жасаған едиңлер. 8Олардан туўылған үшинши әўлад Жаратқан Ийениң жәмийетине кире алады.

 

Орданы пәк тутыў

 

9Душпанларыңыз бенен урысыў ушын орда қурғаныңызда, ҳәр қандай ҳарамылықтан сақ болыңлар. 10Егер араңызда бир адамның түнде урығы ағып, ҳарам болса, ол ордадан шығып кетсин ҳәм сол жерде қалсын. 11Ол кешке қарай жуўынып алсын, күн батқаннан кейин ордаға қайтыўына болады.
12Орданың сыртында дәретке шығатуғын жериңиз болсын. 13Қурал-жарағыңыздың арасында жер қазыў ушын бир белше болсын. Дәретке шығарда, шуқыр қазып, кейин оны көмип таслаң. 14Ордаңызды пәк сақлаңлар, себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қутқарып, душпанларыңызды сизлерге тәслим қылыў ушын, ордада сизлер менен бирге жүреди. Егер де Жаратқан Ийе араңызда қандай да әдепсиз ислерди көрсе, Ол сизлерден жүз бурады.

 

Ҳәр түрли қағыйдалар

 

15Хожайынынан қашып, Израилдан пана излеп келген қулды хожайынына қайтарып берип жибермеңлер. 16Ол сизлердиң араңызда, өзи унатқан жерде, қәлеген қалалардың биринде жасасын. Оған жаўызлық қылмаңлар.
17Бутханаларда бузықлық пенен шуғылланатуғын израиллы ҳеш қандай ҳаял ямаса еркек болмасын. 18Қудайыңыз Жаратқан Ийе бузықлық пенен шуғылланатуғын ҳаял ҳәм еркеклерден жеркенеди. Олардың ис ҳақысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ўәде бойынша берилетуғын сый етип алып келмеңлер.
19Израиллы туўысқаныңызға пулды, нанды ямаса басқа да затларыңызды қарызға бергениңизде, оннан үстеме талап қылмаңлар. 20Басқа жат жерли адамнан үстеме алыўыңызға болады, бирақ израиллы туўысқаныңыздан алмаңлар. Сонда сизлер мүлик етип алыў ушын баратырған елде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.
21Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қандай да бир ўәде берсеңиз, оны кешиктирмей орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден ўәдеңизди орынлаўыңызды талап қылады. Егер ўәдеңизди орынламасаңыз, өзлериңизге гүна арттырып аласыз. 22Егер ўәде бермеген болсаңыз, гүналы болмайсыз. 23Ал аўзыңыздан шыққан ўәдеңизди сөзсиз орынлаңлар. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийеге өз қәлеўиңиз бенен ўәде бердиңиз.
24Туўысқаныңыздың жүзимзарлығына киргениңизде, жүзимнен тойғаныңызша жеўиңизге болады, бирақ оннан ыдысыңызға терип алмаңлар. 25Туўысқаныңыздың егислигине киргениңизде, қолыңыз бенен масағын үзип алыўыңызға болады, бирақ оның егинлерин орып алмаңлар».

 

24

 

1«Егер де бир адам үйленип, кейин ала ҳаялынан шерменделик бир нәрсе таўып, оны унатпай қалса, ҳаялына талақ хат жазып берип, оны үйинен шығарып жибериўи мүмкин. 2Ҳаял күйеўиниң үйинен кеткеннен кейин, басқа биреўге турмысқа шықса, 3екинши күйеўи де оны унатпай қалып, ол да оған талақ хат жазып берип, үйинен шығарып жиберсе ямаса сол екинши күйеўи өлип қалса, 4ажырасқан биринши күйеўи ҳаялға қайтадан үйлениўине болмайды. Себеби ҳаял ҳарамланған. Егер үйленсе, буннан Жаратқан Ийе жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди гүнаға батырмаңлар.
5Жақында үйленген адам урысқа бармасын, оған ҳәр түрли ўазыйпалар берилмесин. Ол бир жыл даўамында үйинде болып, ҳаялын бахытлы қылсын.
6Ҳеш ким кепиллик сыпатында дигирманды ямаса дигирманның үстиндеги тасты да алмасын. Бундай ис қылыў адамның жанын кепилликке алған менен барабар болады.
7Егер биреўдиң израиллы туўысқанларынан бирин урлап, оған қул сыпатында қарап, зулымлық қылғаны ямаса оны қул қылып сатып жибергени мәлим болса, онда бундай уры адам өлтирилсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
8Жаман тери кеселлиги мәселесинде, лебийли руўханийлердиң сизлерге үйрететуғынларының ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Мениң лебийлилерге берген буйрықларыма әмел қылыңлар. 9Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин, жолда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мәриямға не қылғанын есиңизде сақлаңлар.
10Израиллы туўысқаныңыздың биреўине бир нәрсени қарызға бергениңизде, кепилликке зат алыў ушын, оның үйине кирмеңлер. 11Сыртта күтип турыңлар. Ол адам кепилликке беретуғын затын өзи сыртқа алып шықсын. 12Егер ол кәмбағал адам болса, оның кепилликке берген кийимин түн бойы өзиңизде қалдырмаңлар. 13Оннан алған кийимди қуяш батар ўақытта қайтарып бериңлер. Ол өз кийимин кийип уйықласын ҳәм сизге ақ пәтия берсин. Усылай ислеп, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында дурыс ис қылған боласыз.
14Кәмбағал ҳәм мүтәжликте жасап атырған жалланба жумысшының ис ҳақысын услап қалмаңлар. Ол израиллы болсын, қалаңыздың биринде жасап атырған келгинди адам болсын, ондай қылмаңлар. 15Оның ис ҳақысын ҳәр күни қуяш батпастан алдын бериңлер. Себеби ол кәмбағал болғаны ушын, тиришилиги усыдан ибарат. Болмаса, ол адам сизлерге қарсы Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзиңизге гүна арттырып аласыз.
16Әкелер балаларының гүнасы ушын, балалар әкелериниң гүнасы ушын өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлим жазасын алсын.
17Келгинди адамлардың ҳәм жетимлердиң ҳуқықын аяқ асты қылмаңлар. Жесир ҳаялдың кийимин кепилликке алмаңлар. 18Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди сол жерден азат еткенин есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман.
19Атызыңыздағы егинди орғаныңызда, орылған бир баўды умытып қалдырған болсаңыз, оны алыў ушын кейниңизге қайтпаңлар. Оны келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. 20Зәйтүн ағашларыңыздың мийўелерин қағып алғаныңыздан кейин, шақаларда қалып қойғанларды және терип алыў ушын бармаңлар. Оларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. 21Және де, жүзимзарыңыздың мийўелерин тергениңизде де, шақаларында қалып кеткен жүзимлерди қайтадан терип алмаңлар. Буларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. 22Мысырда қул болғаныңызды есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман».

 

25

 

1«Еки адамның арасында жәнжел шықса, олар қазылардың алдына барсын. Қазылар сол еки адамның арасындағы даўды қарап шықсын ҳәм айыпсызды ақлап, ал айыплы адамды жазаға тартсын. 2Егер де айыплы адам сабаўға ылайықлы болса, қазы оны жерге жатқарсын ҳәм өзиниң көз алдында айыбына жараса сабатсын. 3Айыплы адам қырқтан артық сабалмасын. Егер қырқтан асып кетсе, онда туўысқаныңыз сизлердиң көз алдыңызда хорланып қалады.
4Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын буўып тасламаңлар.
5Егер бирге жасап атырған ағалы-инилилердиң бири перзентсиз қайтыс болса, марҳумның ҳаялы жат адамға турмысқа шықпасын. Марҳумның туўысқаны жесир қалған ҳаялға үйленсин ҳәм өзиниң қәйинлик ямаса қайнағалық ўазыйпасын орынласын. 6Сол ҳаял туўған туңғыш ул марҳумның атын даўам етсин. Солай етип, марҳумның аты Израил халқынан өшип кетпейди. 7Бирақ сол адам марҳум ағасының ямаса инисиниң жесир қалған ҳаялына үйлениўден бас тартса, жесир ҳаял қала дәрўазасына барып, ақсақалларға былай деп айтсын: „Марҳум күйеўимниң туўысқаны оның атын Израил халқының арасында даўам еттириўди қәлемей, өз ўазыйпасын орынлаўдан бас тартып атыр“. 8Сонда қаланың ақсақаллары сол адамды шақырып алып, оның менен сөйлессин. Егер ол адам: „Оған үйлениўди қәлемеймен“, – деп турып алса, 9жесир ҳаял марҳум күйеўиниң туўысқанының қасына келсин. Ҳаял қала ақсақалларының көз алдында оның бир аяқ кийимин шешип алып, жүзине түкирип: „Туўысқанының әўладын тиклеўди қәлемеген адамға усындай исленеди“, – деп айтсын. 10Усыдан кейин, сол адамның әўлады Израилда „Аяқ кийими шешилген“, деп аталатуғын болады.

 

Басқа нызамлар

 

11Еки адам бир-бири менен төбелесип атырғанда, биреўиниң ҳаялы келип, урып атырған адамнан күйеўин айырып алыў ушын, сол адамның жынысый ағзасынан усласа, 12онда ҳаялдың қолын шаўып таслаңлар. Оны аяп отырмаңлар.
13Дорбаңызда биреўи аўыр, екиншиси жеңил еки түрли тәрези таслар болмасын. 14Үйиңизде биреўи үлкен, екиншиси кишкене сыйымлық өлшейтуғын ыдыслар болмасын. 15Тәрези тасларыңыз да, сыйымлық өлшейтуғын ыдысларыңыз да ҳадал ҳәм дурыс болсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жеринде өмириңиз узақ болады. 16Қудайыңыз Жаратқан Ийе сондай наҳақлық қылатуғынлардан жеркенеди.
17Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин амалек халқының сизлерге не ислегенин умытпаңлар. 18Сизлер жолдан шаршап, ҳәлсизленип қалғаныңызда, олар Қудайдан қорқпай сизлерге ҳүжим қылып, артыңызда қалған барлық ҳәлсирегенлерди өлтирген еди. 19Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде әтирапыңыздағы барлық душпанларыңызды жеңип, тынышлыққа ерискениңизде, амалек халқын жоқ қылып, олардың атын жер жүзинен өширип таслаңлар. Буны умытпаңлар!»

 

26

 

Биринши зүрәәт ҳәм үсир ажыратыў

 

1«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елге кирип, ол жерди ийелеп, жайласып алғаныңызда, 2сол елдиң жерлеринен жыйнап алатуғын барлық зүрәәтлериңиздиң биринши өнимлеринен алып, себетке салыңлар. Кейин оларды Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жерине алып барыңлар. 3Сол ўақытта хызмет етип атырған руўханийдиң алдына барып, оған былай деп айтыңлар: „Жаратқан Ийениң бизлерге беремен деп, ата-бабаларымызға ант ишкен елине келдим. Бүгин мен усыны Қудайың Жаратқан Ийениң алдында мойынлайман“. 4Руўханий қолыңыздан себетти алып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының алдына қойсын. 5Соннан кейин, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында былай деп айтыңлар: „Ата-бабам көшпели арамлы еди. Ол азғантай адамы менен Мысырға барып, сол жерде келгинди болып жасай баслады. Бирақ ол уллы, күшли ҳәм сансыз халыққа айланды. 6Мысырлылар бизлерге жаман қатнаста болып, зулымлық етти ҳәм аўыр жумыс ислеўге мәжбүрледи. 7Сонда бизлер ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып, дад салдық. Жаратқан Ийе дадымызды еситти ҳәм бизлердиң азап шегип атырғанымызды, ислеп атырған аўыр мийнетимизди, мысырлылардың бизлерге ислеп атырған езиўшилигин көрди. 8Соннан кейин, Ол күш-қүдирети, уллы ҳәм қорқынышлы ислери ҳәм кәраматлы белгилери менен бизлерди Мысырдан алып шықты. 9Ол бизлерди усы жерге алып келди, сүт ҳәм пал ағып турған усы елди бизлерге берди. 10Енди, оҳ, Жаратқан Ийе, бизлерге берген жериңниң биринши зүрәәтин Саған алып келдик“.
Кейин себетти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына қойып, Оған сыйыныңлар. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға берген барлық ийгиликли затлары ушын қуўанып, шадланыңлар. Лебийлилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер де сизлер менен бирге байрамласын.
12Сизлер үшинши жылы, үсир беретуғын жылы, барлық зүрәәтиңизден оннан бир бөлегин айырып қойыңлар. Сол оннан бириңизди лебийлилерге, келгиндилерге, жетим-жесирлерге бериңлер. Солай етип, олар да қалаларыңызда ишип-жеп тойсын. 13Соннан кейин, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге былай деп айтыңлар: „Үйимнен мухаддес үсирлерди толығы менен шығарып, Өзиң буйырғаныңдай, буларды лебийлилерге, келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге бердим. Сениң ҳеш бир буйрықларыңды бузбадым, олардың ҳеш бирин де умытпадым. 14Аза тутқан ўақтымда, мухаддес үсирден жемедим, ҳарам болған ўақтымда да, оларға тиймедим ҳәм өлилердиң әрўақларына усынбадым. Қудайым Жаратқан Ийе, Сениң сөзиңе қулақ салдым ҳәм маған буйырғанларыңның ҳәммесин орынладым. 15Енди аспандағы мухаддес мәканыңнан бизлерге нәзериңди түсир! Ата-бабаларымызға ишкен антың бойынша бизлерге берген сүт ҳәм пал ағып турған елге ҳәм Израил халқыңа берекет бер“.

 

Қудайдың халқы

 

16Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы қағыйдаларға ҳәм нызамларға әмел қылыўыңызды буйырып атыр. Буларды пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен муқыятлы түрде орынлаңлар. 17Бүгин сизлер: „Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз, Оның жолларынан жүремиз, Оның қағыйдаларына, буйрықларына ҳәм нызамларына әмел қыламыз, Оған бойсынамыз“, – деп ашық тән алдыңыз. 18Бүгин Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәдеси бойынша сизлерди Өз халқы, Өз ғәзийнеси екенин жәриялайды. Оның барлық буйрықларына әмел қылыңлар. 19Ол сизлерди Өзи жаратқан барлық халықлардан жоқары қылады. Сизлер алғыс-мақтаўға ҳәм ҳүрметке ерисесиз. Оның берген ўәдеси бойынша, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқы боласыз».

 

27

 

Эбал таўындағы қурбанлық орын

 

1Муўса менен Израилдың ақсақаллары халыққа былай деп буйырды: «Бүгин мен сизлерге берген буйрықларға әмел қылыңлар. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елге кириў ушын Иордан дәрьясынан кесип өткениңизден кейин, үлкен тасларды орналастырып, оларды ҳәклеп шығыңлар. 3Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге берген ўәдеси бойынша, Ол сизлерге беретуғын сүт ҳәм пал ағып турған елге киргениңизде, бул нызамдағы барлық сөзлерди сол тасларға жазыңлар. 4Иордан дәрьясынан кесип өткеннен кейин, бүгин сизлерге буйырғанымдай, тасларды Эбал таўына орнатып, оларды ҳәклеп шығыңлар. 5Ол жерде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап басқа таслардан бир қурбанлық орын қурыңлар. Қурбанлық орын соғылатуғын тасларға темир әсбап тийгизбеңлер. 6Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол қурбанлық орнын жонылмаған таслардан қурыңлар. Қурбанлық орынның үстинде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныңлар. 7Татыўлық қурбанлықларын да сол жерде шалып, жеңлер ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. 8Сол орнатылған тасларға нызамның барлық сөзлерин түсиникли етип жазып шығыңлар».
9Соннан кейин, Муўса менен лебийли руўханийлер пүткил израиллыларға: «Ҳәй, Израил, үнсизлик сақлап, қулақ салыңлар! Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң халқы болдыңыз. 10Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге берип атырған Оның буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар», – деди.

 

Бойсынбаўшылық себепли келетуғын нәлетлер

 

11Сол күни Муўса халыққа былай деп буйырды: 12«Иордан дәрьясынан өткениңизден кейин, халыққа айтылатуғын жарылқаўды тастыйықлаў ушын, Гериззим таўында мына урыўлар турсын: Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Юсуп ҳәм Бенямин. 13Ал айтылатуғын нәлетлерди тастыйықлаў ушын, мына урыўлар Эбал таўында турсын: Рубен, Гад, Ашер, Зебулон, Дан ҳәм Нафталий. 14Лебийлилер пүткил Израил халқына бәлент даўыс пенен былай деп айтсын:
15„Жаратқан Ийеге жеркенишли болған қолдан соғылған ойма ямаса қуйма бут ислеп, оны жасырын түрде орнатқан адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
16„Ата-анасына ҳүрметсизлик қылған нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
17„Өз қоңсысының жер шегарасын жылыстырған адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
18„Соқыр адамды жолдан адастырған адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
19„Келгинди ҳәм жетим-жесирлер ҳүким етилгенде, олардың ҳуқықын аяқ асты қылған адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
20„Әкесин шерменде қылып, оның ҳаялы менен жатқан адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
21„Қандай да бир ҳайўан менен жынысый қатнас ислеген адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
22„Анасынан ямаса әкесинен туўылған әжапасы яки қарындасы менен жатқан адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
23„Қәйин енеси менен жатқан адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
24„Биреўди жасырын түрде өлтирген адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
25„Айыпсыз биреўди өлтириў ушын, пара алған адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
26„Усы нызамға әмел қылмай, буларды орынламаған адам нәлетий болсын!“
Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын».

 

28

 

Жарылқаўлар

 

1«Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салып, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди жер жүзиндеги пүткил халықлардан жоқары қылады. 2Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзин тыңласаңыз, үстиңизге мына берекетлер жаўады ҳәм берекетли боласыз:
3Қалада да, атызда да берекетли боласыз.
4Үбирли-шүбирли болып жарылқанасыз. Жериңиздиң зүрәәти мол болады, малларыңыздың төллери – пада ҳәм сүриўлериңиздиң бузаўлары менен қозылары көп болады.
5Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз берекетли болады.
6Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз берекетли болады.
7Жаратқан Ийе сизлерге ҳүжим қылған душпанларыңызды жеңилиске ушыратады. Олар сизлерге бир тәрептен ҳүжим етсе, сизлерден тумлы-тусқа қашып кетеди.
8Жаратқан Ийениң буйрығы менен ғәллеханаңыз толы болады. Қол урған ҳәр бир исиңизди Жаратқан Ийе берекетлейди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елде сизлерди жарылқайды.
9Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына әмел қылып, Оның жоллары менен жүрсеңиз, Жаратқан Ийе сизлерге ант ишкениндей, сизлерди Өзиниң мухаддес халқы қылады. 10Жер жүзиндеги барлық халықлар сизлердиң Жаратқан Ийеге тийисли екениңизди көрип, сизлерден қорқатуғын болады. 11Жаратқан Ийе сизлерге беремен деп, ата-бабаларыңызға ант ишкен елде молшылықта жасаўыңызды тәмийинлейди. Үбирли-шүбирли боласыз, малларыңыздың төллери көбейеди ҳәм жериңиздиң зүрәәти мол болады. 12Жаратқан Ийе елиңизге өз ўақтында жаўын жаўдырыў ушын аспандағы бай ғәзийнесин ашады ҳәм қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди. Көп халықларға қарыз бересиз, өзлериңиз болса, қарыз алмайтуғын боласыз. 13Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын тыңлап, оларды муқыятлы түрде орынласаңыз, Ол сизлерди қуйрық емес, ал бас қылады. Сизлер төменде емес, ал жоқарыда боласыз. 14Бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардан оңға да, солға да шығып кетпеңлер, басқа қудайларға ерип, оларға табынбаңлар.

 

Нәлетлер

 

15Бирақ, егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмай, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның барлық буйрықларын ҳәм қағыйдаларын муқыятлы түрде орынламасаңыз, мына нәлетлер басыңызға түседи:
16Қалада да, атызда да нәлетли боласыз.
17Дән себетлериңиз ҳәм қамыр табақларыңыз нәлетли болады.
18Ул-қызға зар болып, жериңиз зүрәәтсиз, сыйырларыңыз ҳәм сүриўлериңиз көбеймей, нәлетий боласыз.
19Үйде де, дүзде де ҳәр бир исиңиз нәлетий болады.
20Жаратқан Ийеден жүз бурып, жаўызлық ислегениңиз ушын, қол урған ҳәр бир исиңизде Ол сизлерди нәлетке ҳәм бәле-қадаға дуўшар қылады. Исиңиз оңынан келмейди. Ақырында, тез арада үстиңизге апат жаўып, пүткиллей жоқ боласыз. 21Сизлер мүлик етиў ушын баратырған елиңизге Жаратқан Ийе оба кеселлигин жиберип, сизлерди жоқ қылады. 22Ол сизлерди өкпе кеселлигине, ысытпа ҳәм қалтыратпаға дуўшар қылады. Соның менен бирге, жаздың саратан ыссысын ҳәм қурғақшылық жиберип, егинлериңизди күйик бастырып, қуўратып таслайды. Сизлер өлип кеткениңизше, усы апатлар изиңизден қалмайды. 23Төбеңиздеги аспан қола сыяқлы, аяғыңыздың астындағы жер темир сыяқлы болып қалады. 24Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе аспаннан жаўынның орнына елиңизге шаң-тозаң жаўдырады.
25Жаратқан Ийе сизлерди душпанларыңызға тәслим етеди. Сизлер оларға бир тәрептен ҳүжим етсеңиз, олардан тумлы-тусқа қашып кетесиз. Жер жүзиндеги барлық патшалықлар сизлердиң аянышлы аўҳалыңызды көрип, ҳүрейлери ушып кетеди. 26Өликлериңиз барлық қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жем болады, оларды қуўып жиберетуғын ҳеш ким болмайды. 27Жаратқан Ийе мысырлыларға жиберген даўасы жоқ шыйқанлар, қотыр жаралар ҳәм қышымаларға сизлерди дуўшар етеди. 28Соның менен бирге, Ол сизлерди жинлилик, соқырлық, естен айырылыў бәлелери менен жазалайды. 29Соқыр адам түнде сыйпаланып жүргениндей, сизлер күндизги ўақыт сыйпаланып жүресиз. Ислеген ҳәр бир исиңизде табыссыз боласыз, үзликсиз езилип, тоналасыз ҳәм сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды.
30Бир қыз бенен некеден өтесиз, бирақ оны басқа биреў зорлайды. Үй саласыз, бирақ оның ишине кирип, жасай алмайсыз. Жүзим бағын отырғызасыз, бирақ жүзиминен жей алмайсыз. 31Малыңыз көз алдыңызда сойылады, бирақ гөшинен жей алмайсыз. Ешегиңизди сизлерден зорлап тартып алады ҳәм қайтарып бермейди. Қой-ешкилериңиз душпанларыңызға бериледи. Сизлерди қутқаратуғын ҳеш ким болмайды. 32Ул-қызларыңыз көз алдыңызда басқа халықларға қул етип бериледи. Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмегенликтен, ҳәр күни олардың қайтып келиўин күтип, жолына көз тигип, көзлериңиз талады. 33Сизлер танымайтуғын бир халық келип, жериңиздиң зүрәәтин ҳәм барлық мийнетиңиздиң мийўесин жейди. Өмириңиз бойы жәбирленип, езилесиз. 34Усыларды көзлериңиз бенен көрип, ақыл-есиңизден айырыласыз. 35Жаратқан Ийе сизлерди басыңыздан аяғыңыздың ушына дейин даўасы жоқ жара ҳәм шыйқанлар менен қаплайды.
36Жаратқан Ийе сизлерди ҳәм өзлериңизге тайынлаған патшаңызды өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымайтуғын бир халыққа сүргинге айдатып жибереди. Ол жерде ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынып, хызмет етесиз. 37Жаратқан Ийе сизлерди сол басқа халықларға алып барғанда, олар басыңызға түскен апатты көрип, ҳүрейлери ушып кетеди. Олар сизлерди масқара қылады ҳәм үстиңизден күледи.
38Атызларыңызға көп туқым егесиз, бирақ аз зүрәәт аласыз. Себеби зүрәәтиңизди шегиртке жеп кетеди. 39Жүзим бағын отырғызып, тәрбиялайсыз, бирақ оның шарабын ишпейсиз, жүзимин термейсиз. Өйткени оларды қурт жеп кетеди. 40Елиңиздиң ҳәмме жеринде зәйтүн бағы болса да, оның майын үстиңизге жаға алмайсыз. Себеби зәйтүн ағашларының мийўелери төгилип қалады. 41Сизлер ул-қызлы боласыз, бирақ өзлериңизге буйырмайды, оларды сүргин қылып алып кетеди. 42Барлық мийўе ағашларыңыздың мийўелерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин шегирткелер жеп кетеди.
43Сизлердиң араңызда жасап атырған келгиндилердиң жағдайы жоқарылап күшейеди, ал сизлер болса, төменлейсиз. 44Олар сизлерге қарыз беретуғын болады, ал сизлер болса, оларға қарыз бере алмайсыз. Олар бас, ал сизлер қуйрық боласыз.
45Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмай, Оның берген буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылмасаңыз, усы нәлетлер басыңызға жаўып, сизлерди жоқ қылмағанша, изиңизден қалмай, жетип алады. 46Бул нәлетлер сизлер ҳәм урпағыңыз ушын, Қудай берген жазаның мәңги белгиси болып қалады. 47Себеби ҳәмме нәрсе молшылық ўақытта, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге шадлы ҳәм қуўанышлы түрде хызмет етпедиңиз. 48Соның ушын, Жаратқан Ийе сизлерге жиберген душпанларға қуллық етесиз, аш, суўсыз ҳәм жалаңаш қалып, ҳәмме нәрсеге мүтәж боласыз. Жаратқан Ийе[5] сизлерди жоқ етпегенше, мойныңызға темир мойынтырық салып қояды.
49Жаратқан Ийе сизлерге қарсы узақтан, дүньяның басқа шетинен бир халықты төменге тасланып атырған бүркиттей етип жибереди. Сизлер олардың тилин түсинбейсиз. 50Бул халық қорқынышлы болып, жасы үлкенлерге реҳим, жасы кишилерге мийрим-шәпәәт көрсетпейди. 51Олар сизлерди жоқ қылмағанша, малларыңыздың төллерин ҳәм жериңиздиң зүрәәтин жейди. Сизлерге дән де, шарап та, зәйтүн майын да, сыйырларыңыздың бузаўларын да, қойларыңыздың қозыларын да қалдырмайды. Сонда сизлер жоқ болып кетесиз. 52Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елдеги барлық қалаларды қамал қылады. Сизлер исенген бийик ҳәм беккем дийўаллар жер менен жексен болады.
53Душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғанда, сизлер өз перзентлериңизди, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өзлериңизге берген ул-қызларыңызды жейсиз. 54Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик адам да туўысқанына, ҳаялына ҳәм аман қалған балаларына жаны ашымай, 55өзи жеп отырған баласының гөшин қызғанып, олардың ҳеш бири менен бөлиспейди. Өйткени сизлерди душпаныңыз қамал қылып, қысқыға алғаны себепли қалаларыңызда ҳеш қандай аўқат қалмайды. 56Араңыздағы ең мүләйим, ең нәзик ҳаял, мүләйимлиги ҳәм нәзиклигинен аяғын жерге басыўды қәлемейтуғын ҳаял сүйикли күйеўине, өз ул-қызына жаны ашымай, 57аш болғанлықтан, туўған баласын ҳәм баласының жолдасын жасырынша жеп, олар менен бөлиспейди. Себеби душпаныңыз сизлерди қамал қылып, қысқыға алғанлықтан, усындай қыйын аўҳалда қалып қоясыз.
58Усы китапта жазылған нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынламай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң уллы ҳәм айбатлы атынан қорқпасаңыз, 59Ол сизлерди ҳәм урпағыңызды қорқынышлы, уллы ҳәм үзликсиз апатларға, және де, аўыр ҳәм даўасыз кеселликлерге дуўшар қылады. 60Сизлерди қорқынышқа салған Мысырдағы барлық кеселликлерди сизлерге және жибереди ҳәм олардан ҳеш қашан шыпа таба алмайсыз. 61Сизлер жоқ болып кетпегениңизше, Жаратқан Ийе усы Нызам китабында жазылмаған ҳәр түрли аўырыўлар менен апатларды басыңызға дөндиреди. 62Сизлер аспандағы жулдызлар сыяқлы көп едиңиз, бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салмағаныңыз ушын, саныңыз азайып қалады. 63Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық қылып, көбейткенинен қаншелли сүйсинген болса, сизлерди қулатып, жоқ еткенде де, соншелли сүйсинеди. Мүлик етип алыў ушын баратырған елден сизлерди суўырып, ылақтырып жибереди.
64Жаратқан Ийе сизлерди дүньяның арғы шетинен берги шетине дейин, барлық халықлардың арасына тарқатып жибереди. Ол жерде өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да танымаған ағаштан ҳәм тастан исленген басқа қудайларға табынасыз. 65Бирақ сол халықлардың арасында тынышлығыңыз да, дем алатуғын бир жериңиз де болмайды. Ол жерде Жаратқан Ийе сизлерге титиреген жүреклер, үмитсизлик ҳәм үмитсиз көзлер береди. 66Өмириңиз қыл үстинде турғандай болып, күни-түни өлимнен қорқып жасайсыз. 67Түнде жүрегиңизди бийлеп алған қорқыныш себепли „Қәнекей, азан болғанда ма еди!“ дейсиз, ал азанда өз көзиңиз бенен көретуғын ўақыялар себепли „Қәнекей, кеш болғанда ма еди!“ дейсиз. 68Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға қайтып бармайсыз, деп айтқан болса да, Ол сизлерди кемелер менен Мысырға қайтадан жибереди. Ол жерде сизлер өзлериңизди душпанларыңызға қул ҳәм шоры қылып сатыўға ҳәрекет етесиз, бирақ сизлерди сатып алатуғын қарыйдар болмайды».

 

29

 

Моаб елиндеги дүзилген келисимниң шәртлери

 

1Жаратқан Ийе израиллылар менен Хореб таўында дүзген келисиминен тысқары, Моабта израиллылар менен келисим дүзиўди Муўсаға буйырды. Бул келисим төмендегиден ибарат:
2Муўса пүткил Израил халқын бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Мысырда көз алдыңызда фараонға, оның хызметкери менен халқына не ислегенлерин көрдиңиз. 3Оның жиберген уллы апатларын, белгилерин ҳәм қүдиретли кәраматларын өз көзиңиз бенен көрдиңиз. 4Деген менен, Жаратқан Ийе усы күнге дейин сизлерге түсинетуғын жүрек, көретуғын көз ҳәм еситетуғын қулақ бермеди. 5Ол сизлерди қырқ жыл шөлде алып жүрди. Сонда сизлердиң үст кийимиңиз де, аяқ кийимиңиз де тозбады. 6Жегениңиз нан емес, ишкениңиз шарап ямаса басқа да өткир ишимлик емес еди. Булардың барлығын Оның Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенин түсиниўиңиз ушын қылды.
7Усы жерге келгенимизде, Хешбон патшасы Сихон менен Башан патшасы Ог бизлерге қарсы урыс ашты. Бирақ оларды жеңилиске ушыраттық. 8Олардың жерлерин ийелеп, Рубен, Гад урыўларына ҳәм Менашше урыўының ярымына мүлик етип бердик. 9Енди ҳәр бир исиңизде табыслы болыўыңыз ушын, усы келисим шәртлерин муқыятлы түрде орынлаңлар.
10-11Бүгин ҳәммеңиз – урыў басшыларыңыз, ақсақалларыңыз, қадағалаўшыларыңыз, пүткил Израил еркеклери, балаларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм араңызда жасап атырған отыныңызды шабатуғын ҳәм суўыңызды тасыйтуғын келгиндилер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында турыпсыз. 12Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзетуғын келисиминиң күшке миниўи ушын, оны ант ишип тастыйықлаў ушын усы жерде турыпсыз. 13Солай етип, Ол ата-бабаларыңыз Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ант ишип, сизлерге ўәде бергениндей, бүгиннен баслап, Ол сизлерди Өз халқы етип белгилесин ҳәм сизлердиң Қудайыңыз болсын. 14-15Мине, Жаратқан Ийе ант пенен дүзетуғын келисимин усы жерде бизлер менен бирге Оның алдында турған тек ғана сизлер менен емес, ал еле дүньяға келмеген әўладларыңыз бенен де дүзип атыр.
16Мысырда қалай жасағанымызды, басқа халықлардың жерлеринен қалай өтип келгенимизди өзлериңиз де билесиз. 17Олардың ағаштан, тастан, гүмистен ҳәм алтыннан исленген жеркенишли бутларын көрдиңиз. 18Абайлы болыңлар, сизлердиң араңызда сол халықлардың қудайларына табыныў ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийеден жүз буратуғын еркек ямаса ҳаял, тийре ямаса урыў болмасын. Араңызда бундай зәҳәр ҳәм ашшы мийўе беретуғын тамыр болмасын. 19Араңызда ҳеш бир адам усы келисимдеги нәлетлерди еситип турып, кеўлинде: „Өз қәлеўим бойынша жасасам да, бахытлы боламан“, – деп ойламасын. Бундай пикир ҳәммеңиздиң басыңызға апат алып келеди. 20Жаратқан Ийе бундай адамды кеширмейди. Жаратқан Ийениң ғәзеби ҳәм қызғанышы ол адамға қарсы лаўлап жанады. Усы китапта жазылған барлық нәлетлер оның басына жаўып, Жаратқан Ийе оның атын жер жүзинен өширип таслайды. 21Усы Нызам китабында жазылған келисимдеги барлық нәлетлер бойынша, Жаратқан Ийе оны Израил урыўларының арасынан жазалаў ушын айырып алады.
22Келешек әўладлар, балаларыңыз ҳәм узақ елден келген жат жерли адамлар Жаратқан Ийениң усы елге жиберген апатларын ҳәм кеселликлерди көреди. 23Пүткил елди отлы күкирт ҳәм дуз күйдирип таслайды. Жерге ҳеш нәрсе егип те болмайды, ҳеш нәрсе өсип те шықпайды, ҳеш қандай шөп те көгермейди. Елиңиз Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен жер менен жексен болған Содом, Гомора, Адма ҳәм Себойым сыяқлы болып қалады. 24Пүткил халықлар: „Жаратқан Ийе бул елге не ушын бундай қылды? Бундай ғәзептиң төгилиўиниң себеби неде екен?“ – дейди.
25Сонда оларға мынадай жуўап болады: „Бул халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң келисиминен бас тартты. Жаратқан Ийе оларды Мысырдан алып шыққанда, олар менен усы келисимди дүзген еди. 26Олар өзлери танымаған, Жаратқан Ийе өзлерине үлес қылып бермеген басқа қудайларға хызмет етип, табынып кетти. 27Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби қайнап, усы китапта жазылған барлық нәлетлерди усы елге жаўдырды. 28Ол қатты ашыўланып, күшли ғәзеби менен оларды өз елинен суўырып алып, бүгин көрип турғаныңыздай, басқа елге ылақтырып жиберди. Олар бүгинге дейин сол еллерде жасап атыр“.
29Жасырын қылмыслар Қудайымыз Жаратқан Ийеге тийисли. Бирақ ашылған қылмысларды усы нызамның шәртлери бойынша жазалаў мәңгиге бизлерге ҳәм урпақларымызға тапсырылған».

 

30

 

Қайта тиклениўдиң ҳәм жарылқаўдың шәртлери

 

1«Мен сизлерге айтқан усы барлық жарылқаўлар ямаса нәлетлер басыңызға түскенде, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди тарқатып жиберген халықлардың арасында усыларды есиңизге түсиресиз. 2Сол ўақытта бүгин сизлерге буйырғанымдай, сизлер ҳәм урпақларыңыз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтып, пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен Оған қулақ салсаңыз, 3Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге реҳим қылып, сүргин болған жериңизден қайтарып алып келеди. Сизлерди арасына тарқатып жиберген халықлардың ишинен қайтадан жыйнап алады. 4Дүньяның басқа шетине сүргин болсаңыз да, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жыйнап, қайтарып алып келеди. 5Сизлерди ата-бабаларыңыздың мүлик етип алған елине алып келеди. Сол жерди мүлик етип алғаныңызда, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге жақсылық алып келеди ҳәм сизлерди ата-бабаларыңыздан да гөре көбейтеди. 6Сизлердиң ҳәм урпақларыңыздың жүреклерин өзгертеди. Сонда Оны пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен сүйип, өмирге ийе боласыз. 7Қудайыңыз Жаратқан Ийе барлық нәлетлерди сизлерди жек көрип, қуўдалаған душпанларыңыздың үстине жаўдырады. 8Сизлер Жаратқан Ийениң сөзине және қулақ салып, бүгин мен сизлерге берип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қыласыз. 9Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қол урған ҳәр бир исиңизде табыслы қылады. Сизлер үбирли-шүбирли боласыз, малларыңыз көбейеди ҳәм жерлериңиздиң өними мол болады. Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңыздан қаншелли кеўли толған болса, сизлерден де соншелли кеўли толады ҳәм сизлерди табысқа еристиреди. 10Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың, усы Нызам китабында жазылған Оның буйрықларына, қағыйдаларына әмел қылың ҳәм пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил жаныңыз бенен Жаратқан Ийеге қайтың.
11Бүгин мен сизлерге берип атырған буйрық сизлер ушын қыйын емес ямаса сизлер жетип бара алмайтуғындай узақта емес. 12Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким аспанға шығып, оны алып келеди?“ – деп айтатуғындай, ол аспанда емес. 13Сизлер: „Бизлер буйрықты тыңлап, оны орынлаўымыз ушын, ким теңиздиң арғы жағына барып, оны алып келеди?“ – деп айтатуғындай, ол теңиздиң арғы жағында да емес. 14Керисинше, Қудайдың сөзи сизлерге жүдә жақын, орынлаўыңыз ушын, ол сизлердиң аўзыңызда ҳәм жүрегиңизде.
15Мине, бүгин мен сизлердиң алдыңызға өмир менен ийгиликти, өлим менен жаўызлықты қойып атырман. 16Бүгин мен сизлерге Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўди, Оның жолы менен жүриўди, буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына әмел қылыўды буйыраман. Сонда сизлер аман жасайсыз, көбейесиз ҳәм мүлик етиў ушын баратырған елде Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди жарылқайды.
17Бирақ, егер де сизлер жүрегиңизди басқа жаққа бурып, буларға қулақ салмай, жолдан азғырылсаңыз ҳәм басқа қудайларға табынып, хызмет етсеңиз, 18онда сизлерге сөзсиз жоқ болатуғыныңызды билдиремен. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елде көп жасамайсыз.
19Бүгин мен сизлерге өмир ямаса өлимди, жарылқаў ямаса нәлетти таңлаў мүмкиншилигин бердим. Буған аспан менен жерди сизлерге қарсы гүўа етип қояман. Өмирди таңлаң, сонда сизлер де, балаларыңыз да жасайсыз. 20Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиң, Оның сөзине қулақ салып, Оған садық болың. Өйткени Ол сизлердиң өмириңиздур. Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң өмириңиз узақ болады».

 

31

 

Ешуаның Муўсаның орнына тайынланыўы

 

(Санлар 27:15-23)

 

1Муўса пүткил Израил халқына жоқарыдағы сөзлерди айтып болғаннан кейин, 2былай деди: «Ҳәзир мен бир жүз жигирма жастаман. Буннан былай, мен сизлерге басшылық ете алмайман. Оннан қала берсе, Жаратқан Ийе маған: „Иордан дәрьясының арғы жағына өтпейсең“, – деп айтқан еди. 3Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң басшылығында Иорданның арғы жағына өтесиз. Ол сол жерде жасайтуғын халықларды жоқ қылады. Сизлер олардың еллерин мүлик етип, ийелеп аласыз. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша Ешуа сизлерге басшылық қылады. 4Жаратқан Ийе амор халқының патшалары Сихон менен Огты өлтирип, олардың елин жоқ қылғанындай, усы халықларды да жоқ қылады. 5Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим қылады. Оларға мен сизлерге буйырғанымдай ислеңлер. 6Күшли ҳәм батыр болыңлар! Олардан қорқып, сескенип жүрмеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге барады. Ол сизлерди тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди».
7Соннан кейин, Муўса Ешуаны шақырып алып, пүткил израиллылардың алдында оған былай деди: «Күшли ҳәм батыр бол! Себеби сен Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен елге бул халық пенен бирге барасаң ҳәм елди мүлик етип, оларға сен бересең. 8Жаратқан Ийениң Өзи сениң алдыңда жүрип, саған яр болады. Ол сени тәрк етпейди ҳәм таслап кетпейди. Қорқпа ҳәм жүрексиз болма».

 

Ҳәр жети жылда нызамның оқылыўы

 

9Муўса усы нызамды жазып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып жүрген лебийли руўханийлерге ҳәм Израил халқының барлық ақсақалларына берди. 10Кейин Муўса оларға былай деп буйырды: «Ҳәр жетинши жылдың, қарызлар кешип жиберилетуғын жылдың ақырында, Қос байрамында усы нызамды оқыңлар. 11Қудайыңыз Жаратқан Ийениң таңлаған жеринде, Оның алдында жыйналған пүткил Израил халқына усы нызамды оқып бериңлер. 12Барлық еркеклерди, ҳаялларды, балаларды ҳәм қалаларыңызда жасап атырған келгиндилерди жыйнаң. Солай етип, олардың ҳәр бири оны еситип, үйренип алсын ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқсын. Усы нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынласын. 13Нызамды билмейтуғын урпақларыңыз да еситсин. Солай етип, сизлер мүлик ететуғын Иордан дәрьясының арғы жағындағы елде, олар өмири даўамында Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўды үйренсин».

 

Жаратқан Ийениң Муўсаға берген ең соңғы буйрығы

 

14Жаратқан Ийе Муўсаға: «Сениң өлимиң жақынлап қалды, Ешуаны шақыр ҳәм екеўиңиз де Ушырасыў шатырына келиң. Мен оған орынлайтуғын ўазыйпаларын тапсыраман», – деди. Муўса менен Ешуа Ушырасыў шатырына барып турды. 15Кейин Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде көринди. Булт шатырдың кирер аўзының үстинде турды. 16Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: «Жақында өлип, ата-бабаларыңа қосыласаң. Ал бул халық өзлери киретуғын елде Маған опасызлық қылады, сол елдиң қудайларына ерип, хызмет етип кетеди. Олар Меннен бас тартып, олар менен дүзген келисимимди бузады. 17Сонда Мен оларға ғәзепленип, таслап кетемен ҳәм олардан жүз бураман. Олар басқаларға аңсат олжа болып қалады. Басларына сансыз қайғылар ҳәм апатлар келген күни, олар: „Усы қайғылардың басымызға түсиўи Қудайымыз бизлер менен бирге болмағаны ушын емес пе?“ – дейди. 18Басқа қудайларға ерип, қылған жаўызлықлары ушын, сол күни Мен сөзсиз олардан жүзимди бураман.
19Енди өзлериңиз ушын мына жырды жазып алың, оны израиллыларға үйретиң ҳәм олар ядлап алсын. Солай етип, бул жыр израиллыларға қарсы Мениң гүўалығым болсын. 20Мен ата-бабаларына ант ишкенимдей, оларды сүт ҳәм пал ағып турған елге алып киремен. Олар ишип-жеп тойынып, семиреди де, басқа қудайларға ереди ҳәм оларға хызмет етип кетеди. Олар Мени көзге илмей бас тартып, келисимимди бузады. 21Ал басларына сансыз қайғы ҳәм апатлар түскенде, бул жыр оларға қарсы гүўалық болады. Себеби олардың әўладлары бул жырды умытпайтуғын болады. Мен беремен деп ант ишкен елге оларды алып келмесимнен алдын, олардың қандай нийетлери бар екенин билемен». 22Сол күни Муўса усы жырды жазып алып, израиллыларға үйретти.
23Жаратқан Ийе Нун улы Ешуаға мынадай буйрық берди: «Күшли ҳәм батыр бол! Сен Израил халқын Мен оларға беремен деп ант ишкен елге алып барасаң. Мен сениң менен бирге боламан».
24Муўса нызамның барлық сөзлерин ақырына дейин орама китапқа жазып болғаннан кейин, 25Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып жүрген лебийлилерге мына буйрықты берди: 26«Мына Нызам китабын алып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Келисим сандығының жанына қойың. Бул ол жерде сизлерге қарсы гүўалық болып турсын. 27Себеби мен сизлердиң қозғалаңшы ҳәм қайсар екениңизди жақсы билемен. Бүгин мен сизлердиң араңызда тири болғанымның өзинде Жаратқан Ийеге қарсы шығып атырсыз, ал өлгенимнен кейин, буннан да бетер боласыз. 28Енди урыўларыңыздың барлық ақсақалларын ҳәм қадағалаўшыларын маған шақырып келиңлер. Оларға усы сөзлерди айтайын. Аспан ҳәм жер оларға қарсы гүўа болсын. 29Мениң өлимимнен соң, сизлердиң азғырылыўға түсетуғыныңызды, сизлерге буйырған жолдан шығып кететуғыныңызды билемен. Ўақыттың өтиўи менен бахытсызлыққа дуўшар боласыз. Өйткени сизлер Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Оның ғәзебин келтиресиз».

 

Муўсаның жыры

 

30Соннан кейин, Муўса пүткил Израил жәмийетине мына жырды ақырына дейин айтып берди:

 

32

 

1«Ҳәй, аспан, қулақ сал, мен айтайын,
Ҳәй, жер жүзи аўзымнан шыққан сөзлерди тыңла!
2Тәлимим жаўындай жаўсын,
Сөзлерим шық яңлы түссин,
Майса шөплерге түскен жаўын тамшысындай,
От-шөплерге қуятуғын мол жаўындай болсын.
3Жаратқан Ийениң атын жәриялайман,
Мақтаңлар Қудайымыздың уллылығын!
4Ол мениң сүйенген таўымдур, Оның ислери минсиздур,
Барлық жоллары әдилдур.
Наҳақлық қылмайтуғын садық Қудайдур.
Ол әдил ҳәм ҳақыйқатдур.
5Бирақ бул бузық ҳәм турақсыз әўлад,
Оған садық қалмады.
Соның ушын, Оның балалары емесдур.
Бул олардың шерменделигидур.
6Жаратқан Ийениң жақсылығын усылай қайтарасыз ба,
Ҳәй, ақмақ ҳәм ақылсыз халық?
Ол сизлерди жаратып, сүлдер берген,
Әкеңиз болған Жаратыўшыңыз емес пе?!

 

7Әййемги заманды еслең,
Өткен урпақларды ойлаң,
Әкеңизден сораң, ол сизлерге айтып берер,
Ғаррылар сизлерге баянлап берер.
8Қудай Таала халықларға үлес жерлерин берип,
Адамзатты миллетлерге бөлип тарқатқанда,
Халықлардың шегаралары,
Иләҳий барлықлардың санына қарай белгиленди.
9Ал Жаратқан Ийениң үлеси Өз халқыдур,
Яқып урпағы Оның пайына түскен мүлкидур.

 

10Жаратқан Ийе Израилды шөлден,
Ызғырған қула дүзден таўып алды,
Оны орап алып, ғамхорлық қылды,
Көзиниң қарашығындай етип қорғады.
11Ининдегилерин оятып атырған,
Өз палапанларын дөгереклеп айланған,
Қанатларын жайып, палапанларын көтерген,
Қанатлары үстинде оларды алып жүрген бүркиттей,
12Жаратқан Ийе жалғыз Өзи Израилды алып жүрди,
Жат қудайдың ҳеш қандай жәрдемисиз.

 

13Израилды жердиң таўлы үлкесине отырғызды,
Атыздың өними менен тойдырды.
Оны жартастан аққан пал менен,
Таслы жерден шыққан зәйтүн майы менен тәмийинледи.
14Сыйырлардың қатығы, ешкилердиң сүти менен,
Семиз қозылар, Башанның ең жақсы қошқар ҳәм текелери менен,
Ең сапалы бийдай менен оны тәмийинледи.
Жүзимнен исленген қызыл қандай шарабынан ишкизди.

 

15Ешурун[6] семирди де, өжетленип тепкиленди,
Қарны тойды ҳәм май байлап, жылтырап кетти,
Өзин жаратқан Қудайды таслап кетип,
Қутқарыўшысы болған сүйенген таўын менсинбеди.
16Басқа қудайларға табынып, Қудайдың қызғанышын оятты,
Жеркенишли бутлары менен Оны ғәзепке миндирди.
17Олар қудай болмаған жинлерге,
Өзлери танымаған басқа қудайларға,
Ата-бабалары қорқпаған, кейин пайда болған,
Таза қудайларға қурбанлық берди.
18Сени туўған Таўды еслемедиң,
Сени дүньяға келтирген Қудайды умытып кеттиң.

 

19Жаратқан Ийе буларды көрип, олардан жүз бурды,
Өйткени Өз ул-қызлары Оның ғәзебине тийди.
20Ол былай деди: „Бул халықтан жүз бураман,
Олардың ақыбети не болатуғынын көремен.
Себеби олар турақсыз нәсил, опасыз балалардур.
21Олар қудай болмаған бутлары менен,
Мениң қызғанышымды оятты,
Бийҳуда бутлары менен Мениң ғәзебиме тийди.
Мен де халық болмаған бир халық пенен,
Олардың қызғанышын оятаман.
Ақылсыз бир халық пенен, олардың ғәзебине тийемен.
22Себеби сизлерге қарсы ғәзебим оттай лаўлап,
Өлилер мәканының түпкирине дейин жанып кетти,
Ол жер жүзин ҳәм оның өнимлерин күйдирип жоқ етеди,
Таўлардың негизги тырнақларын жандырып жибереди.

 

23Олардың басына апат жаўдыраман,
Оқларымды оларға қарсы толық жумсайман.
24Ашлық олардың диңкесин қуртады,
Ысытпа кеселлиги жанып күйдиреди,
Оба олардың жанын алады.
Жыртқыш ҳайўанларды жиберемен оларға қарсы,
Жер баўырлаўшылар зәҳәрин шашады.
25Көшелерде жигит ҳәм қызларды қылыш өлтиреди,
Үйлеринде қорқыныш бийлик қылады,
Емизиўли бала да, ақ шашлы ғаррылар да аман қалмайды.
26Оларды тас-талқан етер едим,
Адамлардың арасынан олардың атларын өширип таслар едим.
27Бирақ душпанлар мақтанып жүрмесин,
Олар надурыс түсинбесин, дедим.
Булардың барлығын ислеген Жаратқан Ийе емес,
Бизлер өзлеримиз жеңиске еристик, – деп ойламасын дедим“.

 

28Израил ақылын жойтқан халықдур,
Оларда ҳеш қандай сезим жоқдур.
29Қәнекей, оларда ақыл болғанда, түсинер еди,
Ақыбети не болатуғынын билер еди!
30Сүйенген Таўы оларды сатпағанда,
Жаратқан Ийе Өз халқын жаўға тәслим етпегенде,
Душпанның бир адамы мың израиллыны қуўа алар ма еди?
Еки адамы он мың адамды қуўғын қыла алар ма еди?
31Ҳәттеки, мойынлайды душпанларымыз,
Жартасымыздың уқсамайтуғынын олардың жартасына.
32Олардың жүзим шақалары Содом шақасынан,
Бағлары Гомора бағларынандур.
Жүзим мийўелери зәҳәрге толы,
Ашшыдур жүзим солқымлары.
33Шараплары жыланның зәҳәри,
Кобраның өлтиретуғын уўыдур.

 

34Жаратқан Ийе былай дейди:
„Израил душпанларының жаўызлықларын дизип қойдым,
Оларды жазалаў ушын, ғәзийнеме мөрлеп қойдым.
35Өш алыў Мениң қолымда, Өзим жаза беремен,
Ўақты келгенде, олардың аяқлары таяды,
Жақындур олардың қулайтуғын күни,
Жаза күни жүдә жақын қалды“.

 

36Жаратқан Ийе Өз халқының ҳуқықын қорғайды,
Олардың күши ҳәлсизленип,
Елде қул ҳәм еркли адамлардың аман қалмағанын көргенде,
Оларға жаны ашыйды.
37Сонда Жаратқан Ийе Өз халқына былай дейди:
„Исенген қудайларыңыз қай жерде?
Сизлердиң пана тапқан жартасыңыз қәне?
38Қурбанлықларыңыздың майын жеген,
Ишимлик садақаларыңызды ишкен,
Қаяқта сол бир қудайларыңыз?
Енди олар келип, сизлерге жәрдем берсин!
Сизлерди солар қорғасын!

 

39Билип қойыңлар, жалғыз Мен Қудайман,
Меннен басқа қудай жоқдур!
Өлтиретуғын да, тирилтетуғын да Мен,
Жарақатлайтуғын да, шыпа беретуғын да Мен боламан.
Ҳеш ким Мениң қолымнан қутыла алмас.
40Қолымды аспанға көтеремен,
Мәңги бар Болыўшы атым менен ант ишемен:
41Мен жалтылдаған қылышымды қайрайман,
Әдиллик орнатыў ушын, оны қолыма аламан,
Сөйтип, душпанларымнан өш аламан,
Мени жек көргенлерди жазалайман.
42Оқларымды қан менен мәс етемен,
Қылышымды ет пенен тойдыраман.
Өликлер ҳәм тутқынлардың қаны ағады,
Душпан басшыларының баслары кесиледи“.

 

43Ҳәй, халықлар, Оның халқын қутлықлаңлар,
Өйткени Ол қулларының қанының қунын талап қылар.
Душпанларынан өш алып,
Өз халқының елин пәклер».

 

 

44Муўса Нун улы Ешуа менен бирге келип, усы жырды халыққа айтып берди.

 

Муўсаның соңғы көрсетпелери

 

45Муўса усы сөзлердиң ҳәммесин пүткил Израил халқына айтып болғаннан кейин, 46оларға былай деди: «Бүгин мен сизлерге жеткерген усы сөзлердиң ҳәммесин жүрегиңизде сақлаң. Усы нызамның барлық сөзлерин муқыятлы түрде орынлаң, деп балаларыңызға буйырың. 47Булар бос сөзлер емес, ал сизлердиң өмириңиздур. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик ететуғын елде усы сөзлердиң саясында сизлердиң өмириңиз узақ болады».
48Жаратқан Ийе сол күни Муўсаға былай деди: 49«Моаб елиндеги Ерихоның қарсысындағы Абарим таўларының бири болған Небо таўына шық. Сол жерден Мен Израил халқына мүлик етип берип атырған Кенаан жерине қара. 50Әжағаң Харон Ҳор таўында өлип, ата-бабаларына қосылғаны сыяқлы, сен де усы таўға шығып, өлесең ҳәм ата-бабаларыңа қосыласаң. 51Себеби екеўиңиз де Син шөлинде, Қадештеги Мериба суўларында израиллылардың алдында Маған опасызлық қылып, мухаддеслигимди тән алмадыңыз. 52Соның ушын, сен Мен Израил халқына берип атырған жерди тек узақтан көресең, бирақ оған кирмейсең».

 

33

 

Муўсаның Израил урыўларын жарылқаўы

 

1Қудайдың адамы Муўса өлиминен алдын израиллыларға ақ пәтиясын берип, 2былай деди:

 

 

«Жаратқан Ийе Синай таўынан келди,
Сеирден Өз халқына қуяштай көтерилди,
Паран таўынан нур шашты.
Он мыңдай периште менен бирге келди,
Оң қолында лаўлаған от бар еди.
3Аўа, Жаратқан Ийе халқы Израилды сүйеди,
Өзине бағышланған барлық адамларды қорғайды.
Олар Жаратқан Ийениң аяқларына бас урады,
Ҳәм Оның сөзлерин қабыллайды.
4Муўсаның бизлерге берген нызамы,
Яқып жәмийетиниң баҳалы мүлки болды.
5Израилдың урыўлары ҳәм басшылары бир жерге жыйналғанда,
Жаратқан Ийе Ешурунның патшасы болды».

 

 

6Муўса Рубен урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Рубен урыўы жасасын, өлмесин,
Халқының саны аз болса да, аман болсын».

 

 

7Муўса Яҳуда урыўы ҳаққында мыналарды айтты:

 

«О, Жаратқан Ийе, Яҳуданың пәриядын есит,
Оны басқа урыўлар менен бирлестир.
Ол өз қоллары менен өзин қорғап атыр,
Душпанларына қарсы оған жәрдемши бол».

 

 

8Ол Лебий урыўы ҳаққында былай деди:

 

«О, Жаратқан Ийе, Сениң Урим ҳәм Туммимиң
Садық қулың Лебий ушындур.
Массада оны сынап көрдиң,
Мериба суўларында оның менен тартыстың.
9Ол ата-анасынан, аға-инисинен,
Өз балаларынан гөре, Сени жоқары қойды.
Сениң буйрықларыңды орынлады,
Келисимиңе садық қалды.
10Сениң қағыйдаларыңды Яқып урыўына,
Нызамларыңды Израилға үйретеди.
Сениң алдыңда түтетки түтетип,
Қурбанлық орныңда жандырылатуғын қурбанлықлар усынады.
11О, Жаратқан Ийе, оның байлығын жарылқа,
Қол урған ислеринен кеўлиң толсын.
Оған қарсы шыққанлардың
Душпанларының белин сындыр,
Жаўлары қайтып аяққа тура алмасын!»

 

 

12Муўса Бенямин урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Жаратқан Ийениң сүйиклиси, Оның жанында қәўип-қәтерсиз жасасын,
Жаратқан Ийе ҳәмме ўақытта оны қорғайды,
Ол да Жаратқан Ийениң қушағында тынышлық табады».

 

 

13Юсуп ушын былай деди:

 

«Жаратқан Ийе оның жерине берсин берекет,
Аспаннан түсетуғын баҳалы шық пенен,
Жер асты булақ суўлары менен.
14Жеринде қуяшқа тойған сапалы өним өссин,
Өз мәўсиминде мийўелер мол болсын.
15Әййемнен киятырған таўлардың ең жақсы сыйлары менен,
Мәңги төбешиклердиң молшылығы менен,
16Жердиң ең жақсы өними ҳәм ҳәр бир нәрсеси менен,
Пута ишинде Көрингенниң мийрими менен берекетленсин.
Юсуп урпағынан болған адамларға,
Туўысқанларының арасында басшы болған Юсупке усы берекет жаўсын.
17Биринши туўылған буға сыяқлы қүдиретлидур ол,
Шақлары жабайы буғаның шақлары яңлыдур.
Оның бир шақы Эфрайымның он мың адамы,
Екинши шақы Менашшениң мыңлағаныдур.
Юсуп усы шақлары менен халықларды сүзеди,
Жер жүзиндеги халықларды қуўады».

 

 

18Ол Зебулон ҳәм Иссахар урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Ҳәй, Зебулон жолға шыққаныңда қуўанышқа бөлен,
Иссахар, сен шатырларыңда шадлан!
19Олар басқа халықларды таўға шақырады,
Ол жерде мақул болатуғын қурбанлықларды шалады.
Олар теңизлердиң молшылығы менен,
Теңиз жағасының байлығы менен азықланар».

 

 

20Муўса Гад урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Гадтың жерин кеңейткен Қудайға алғыс айтың!
Гад арыслан сыяқлы өз жеринде жасайды,
Олжасының қол ҳәм басларын бөлеклеп таслайды.
21Ол өзи ушын жердиң жақсысын таңлады,
Басшының үлеси оған берилди.
Халықтың басшылары жыйналғанда,
Ол орынлады Израил халқы менен бирге,
Жаратқан Ийениң әдил еркин ҳәм Оның ҳүкимлерин».

 

 

22Муўса Дан урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Дан жас арысланға мегзер,
Ол Башаннан секирип шығар».

 

 

23Нафталий урыўы ҳаққында былай деди:

 

«Ҳәй, Жаратқан Ийениң оң жағына шыққан,
Оның жарылқаўына толып турған Нафталий!
Сен батыс пенен қубланы мүлик етип аласаң».

 

 

24Ол Ашер ҳаққында былай деди:

 

«Басқа урыўлардың ишинде Ашер ең көп жарылқанғаныдур,
Туўысқанларының ишиндеги ең сүйиклиси болсын.
Оның жери зәйтүн ағашына бай болсын.
25Дәрўазаңның тәмбилери темир ҳәм қоладан болып,
Өмириң бойы қәўипсиз жаса».

 

26«Ҳәй, Ешурун, Қудайымызға мегзес ҳеш ким жоқдур,
Ол саған жәрдем бериў ушын аспаннан,
Бултлар үстинде келер салтанаты менен.
27Мәңги бар болған Қудай сениң панаңдур,
Сени Ол Өзиниң мәңгилик қолларында алып жүрер.
Душпанларыңды алдыңнан қуўып шығарып,
Саған: „Оларды қырып тасла!“ – деп айтады.
28Солай етип, Израил қәўип-қәтерсиз жасайды,
Яқыптың мәканы аман болады,
Дән ҳәм шарап елинде мол болады,
Аспаннан оның жерине шық түседи.
29Оҳ, Израил, сен қандай бахытлысаң!
Саған мегзейтуғын бар ма өзи?
Сен Жаратқан Ийе қутқарған халықсаң.
Жаратқан Ийе сени қорғайтуғын қалқандур,
Жеңис беретуғын сениң қылышыңдур.
Душпанларың алдыңда жағымпазлық қылады,
Сен олардың арқасын басып, езесең».

 

34

 

Муўсаның өлими

 

1Соннан кейин, Муўса Моаб тегислигинен Ерихо қаласына қарсы жайласқан Небо таўына, Писга таўының төбесине шықты. Жаратқан Ийе оған пүткил елди көрсетти: арқадағы Дан қаласына дейин созылған Гилад жерин, 2пүткил Нафталий жерлерин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин, Жер Орта теңизине дейин созылған пүткил Яҳуда жерлерин, 3қубладағы Негебти ҳәм тегисликти. Бул Соар қаласына дейин созылған Пальма қаласы деп аталған Ерихо тегислиги. 4Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: «Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: „Сениң урпағыңа беремен“ деп ант ишкен ел усы болады. Мине, усы елди көзлериң менен көриўге мүмкиншилик бердим, бирақ сен ол жерге кирмейсең», – деди.
5Солай етип, Жаратқан Ийениң айтқанындай, Оның қулы Муўса сол Моаб елинде қайтыс болды. 6Жаратқан Ийе оны Бейт-Пеорға қарама-қарсы жайласқан Моабтағы ойпатлыққа көмди. Муўсаның қәбири қай жерде екенлигин бүгинге дейин ҳеш ким билмейди. 7Муўса қайтыс болғанда, бир жүз жигирма жаста еди. Деген менен, оның көзи де ҳәлсизленбеген, күш-ғайраты да қайтпаған еди. 8Израиллылар Моаб тегислигинде Муўсаны жоқлап отыз күн аза тутты.
Кейин Муўса ушын азалаў күнлери тамам болды. 9Нун улы Ешуа даналық руўхы менен толған еди. Өйткени Муўса өлиминен алдын оған қолларын қойып, оны жолбасшы етип тайынлаған еди. Израиллылар оған қулақ салып, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларына әмел қылды.
10Израилда сол күннен бүгинге дейин, Муўсаға уқсаған пайғамбар болмады. Себеби Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз көрисип, сөйлесетуғын еди. 11Жаратқан Ийе оны Мысырда фараонға, оның хызметкерлерине ҳәм пүткил Мысыр халқына Өз кәрамат ҳәм белгилерин көрсетиў ушын жиберген еди. 12Муўса пүткил Израил халқының көз алдында қүдиретли, уллы ҳәм қорқынышлы ислер ислеген еди.

 

 

 

Ешуа

1

 

Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығы

 

1Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаның өлиминен соң, оның жәрдемшиси Нун улы Ешуаға былай деди:
2– Мениң қулым Муўса өлди. Қәнекей, енди сен пүткил халық пенен бирге Иордан дәрьясын кесип өтип, Мен сизлерге, яғный Израил халқына беретуғын елге кириңлер. 3Муўсаға айтқанымдай, аяғыңыз тийген барлық жерлерди сизлерге беремен. 4Сизлердиң жер шегараңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанонға дейин, шығыстағы уллы Евфрат дәрьясынан пүткил хеттлердиң ели арқалы батыстағы Жер Орта теңизине дейин созылған болады. 5Өмириң бойы ҳеш ким саған қарсы тура алмайды. Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, Мен сениң менен де бирге боламан. Сени ҳеш қашан қалдырмайман ҳәм таслап кетпеймен.
6Күшли ҳәм мәрт бол. Себеби Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди бул халық ийелеўи ушын, сол жерди оларға сен алып бересең. 7Тек күшли ҳәм жүдә мәрт болып, қулым Муўсаның саған буйырған пүткил Нызамын муқыятлы түрде орынла. Қай жерге барсаң да, табысқа ийе болыўың ушын, бул Нызамнан узақлама ҳәм оннан я оңға, я солға аўып кетпе. 8Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең. 9Саған күшли ҳәм мәрт бол демеген бе едим? Қорқпа ҳәм руўхыңды түсирме. Өйткени Қудайың Жаратқан Ийе сен баратуғын ҳәр бир жерде сениң менен бирге болады.

 

Ешуаның халыққа берген буйрығы

 

10Солай етип, Ешуа халық қадағалаўшыларына былай деп буйырды:
11– Орданы аралап шығып, халыққа мына буйрықты бериңлер: «Өзлериңизге азық-аўқат таярлаңлар. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын жерине кирип, оны меншик етип ийелеў ушын, үш күннен соң, Иордан дәрьясын кесип өтесизлер».
12Ал Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына былай деди:
13– Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул жерди сизлерге берип, сизлерди тынышлыққа еристиреди», – деген сөзлерин еске түсириңлер. 14Сизлердиң ҳаялларыңыз, балаларыңыз ҳәм малларыңыз усы жерде, яғный Иордан дәрьясының шығысында, Муўсаның сизлерге берген жеринде қалсын. Бирақ сизлер, яғный пүткил жаўынгерлер қуралланып, туўысқанларыңыздан алдын дәрьяны кесип өтиңлер ҳәм оларға жәрдем бериңлер. 15Жаратқан Ийе сизлерди тынышлыққа еристиргени сыяқлы, оларды да тынышлыққа еристиреди. Олар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң беретуғын жерин мүлик етип алғаннан соң, сизлер де мүлик етип алған жерлериңизге, Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының шығысындағы сизлерге берген жерине қайтып, усы жерге орналасыңлар.
16Олар Ешуаға былай деп жуўап берди:
– Бизлерге буйырғанларыңның ҳәммесин орынлаймыз. Қай жерге жиберсең де, барамыз. 17Ҳәр бир нәрседе Муўсаның сөзине бойсынғанымыз сыяқлы, сениң сөзиңе де бойсынамыз. Муўса менен бирге болған Қудайың Жаратқан Ийе сениң менен де бирге болсын. 18Сөзиңе қарсы шыққан ҳәм қандай да бир буйрығыңа бойсынбаған адамға өлим жазасы бериледи. Тек сен күшли ҳәм мәрт бол.

 

2

 

Рахаб ҳәм жансызлар

 

1Нун улы Ешуа Шиттимнен жасырын түрде еки жансызды жиберип атырып, оларға: «Барып, Кенаан жерин, әсиресе Ерихоны көзден өткизиңлер», – деди. Солай етип, жансызлар жолға шығып, Рахаб деген бузық ҳаялдың үйине келди ҳәм сол жерде қонып қалды.
2Сонда Ерихо патшасына: «Елимизди көзден өткизиў ушын, усы түни Израил халқынан адамлар келди», – деген хабар жетти. 3Сонлықтан Ерихо патшасы Рахабқа: «Сениң үйиңе келген сол адамларды шығарып бер. Себеби олар елимизди көзден өткизиў ушын келген», – деген хабар жоллады. 4Ал еки адамды жасырып қойған Рахаб: «Сол адамлардың маған келгени рас. Бирақ мен олардың қай жерли екенин билмеген едим. 5Геўгим түспестен бурын, қала дәрўазасы жабылайын деп атырғанда, олар шығып кетти. Олардың қай жаққа кеткенин билмеймен. Излеринен дәрҳал кетсеңиз, жетип аласызлар», – деди. 6Негизинде ҳаял сол адамларды тамның төбесине шығарып, ол жерге жайып қойылған зығыр баўларының астына жасырған еди. 7Ал патшаның адамлары болса, жансызларды Иордан дәрьясын кесип өтетуғын жерге қарай қуўып кетти. Олар қаладан шығыўдан-ақ, қала дәрўазасы жабылды.
8Тамның төбесиндеги адамлар жатпай турып, ҳаял олардың жанына барды да, 9оларға былай деди:
– Жаратқан Ийениң бул елди сизлерге бергенин билемен. Бизлерди сизлер себепли қорқыныш бийледи. Елде жасайтуғын ҳәр бир адамның руўхы түсип жүр. 10Өйткени сизлер Мысырдан шыққаныңызда, Жаратқан Ийениң Қамыс теңизин алдыңызда қалай қурғатып таслағанын, Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасы Сихон менен Огқа сизлер нелер ислегениңизди, оларды қалайынша пүткиллей қырып таслағаныңызды еситкен едик. 11Буларды еситкенимизде, руўхымыз түсип кетти. Сизлерден қорққанымыздан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады. Себеби сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе – жоқарыдағы аспанда да, төмендеги жер жүзинде де Қудай. 12-13Сизлерге жақсылық еткеним сыяқлы, сизлер де мениң үй-ишиме жақсылық ететуғыныңызға Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиңлер. Ата-анамды, аға-инилеримди, апа-сиңлилеримди ҳәм олардың үй-ишлерин өлимнен сақлап, ҳәммемизди аман қалдыратуғыныңызды билдиретуғын исенимли бир белги бериңлер. 14Адамлар оған:
– Егер бул исимизди әшкара қылмасаңыз, бизлер сизлер ушын жанымызды бериўге таярмыз. Жаратқан Ийе бул жерди бизлерге бергенинде, саған жақсылық ислеп, садықлық көрсетемиз, – деди.
15Үйи қала дийўалында жайласқанлықтан, Рахаб адамларды арқан менен әйнектен төменге түсирди де, 16оларға:
– Изиңизден қуўып кеткен адамлар сизлерге дус келип қалмаўы ушын, таўға шығыңлар. Олар излерине қайтып кеткенге дейин, үш күн сол жерде жасырынып турыңлар. Соңынан жолыңызды даўам етерсизлер, – деди. 17Сол адамлар Рахабқа былай деди:
– Бизлер иштирген антыңда турыўымыз ушын мына нәрсени ислеўиң шәрт: 18Усы елге киргенимизде, мына қызыл арқанды бизлерди түсирип жиберген әйнегиңе байлап қой. Соңынан ата-анаңды, туўысқанларыңды ҳәм әкеңниң пүткил хожалығын жаныңа, өз үйиңе жыйна. 19Сениң үйиңниң қапысынан сыртқа шыққан адам өз басы ушын өзи жуўап береди. Бундай адам ушын бизлер жуўапкер емеспиз. Бирақ егер сениң менен бирге үйиңде болған бир адам жәбир көрсе, оның өлимине бизлер жуўапкер боламыз. 20Деген менен, ислеримизди әшкара қылсаң, онда бизлер сен иштирген анттан азат боламыз.
21Ҳаял оларға:
– Айтқаныңыздай болсын, – деди ҳәм оларды жолға шығарып салғаннан соң, қызыл арқанды әйнекке байлап қойды.
22Адамлар ол жерден кетип, таўға шықты ҳәм излеринен қуўғанлар қайтып кеткенше, сол жерде үш күн қалды. Олардың изинен қуўғанлар барлық жерден оларды излесе де, таба алмады. 23Еки адам изине қайтыў ушын таўдан түсти де, дәрьяны кесип өтип, Нун улы Ешуаның жанына барды ҳәм басларынан өткен ҳәмме нәрсени айтып берди. 24Олар Ешуаға: «Жаратқан Ийе ҳақыйқаттан да бул пүткил жерди бизлердиң қолымызға тапсырыпты. Ол жерде жасайтуғын ҳәр бир адам бизлерден қорқып, руўхы түсип жүр екен», – деди.

 

3

 

Израиллылардың Иордан дәрьясынан өтиўи

 

1Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Олар дәрьяны кесип өтпей, сол жерде түнеди. 2Үшинши күнниң соңында орданы бастан-аяқ айланып шыққан қадағалаўшылар 3халыққа былай деп буйырды: «Лебийли руўханийлер Қудай Ийеңиздиң Келисим сандығын көтерип баратырғанын көргениңизде, сизлер де орныңыздан қозғалып, сандықтың изине ериңлер. 4Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратуғыныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер. Бирақ Келисим сандығына жақынласпаңлар. Сандық пенен сизлердиң араңызда еки мың шығанақ қашықлық болсын».
5Ешуа халыққа:
– Өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе ертең араңызда кәраматлар ислейди, – деди.
6Ал руўханийлерге:
– Келисим сандығын көтерип, халықтың алдында жүриңлер, – деди. Солай етип, руўханийлер сандықты көтерип, халықтың алдында жүрип кетти.
7Сол арада Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Мен Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, сениң менен де бирге екенимди олар түсиниўи ушын, бүгиннен баслап сени пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қыламан. 8Сен Келисим сандығын көтерген руўханийлерге: „Иордан дәрьясының жағасына барғаныңызда, суўға аяқ басып, тоқтап турыңлар“, – деп буйрық бер.
9Ешуа Израил халқына: «Жақынырақ келип, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңлаңлар», – деп болып, сөзин былай даўам етти: 10«Тири Қудайдың араңызда екенин, Оның кенаан, хетт, хиў, периз, гиргаш, амор ҳәм ебус халықларын алдыңыздан сөзсиз қуўып жиберетуғынын мынадан билип аласызлар: 11мине, пүткил жер жүзи Ийесиниң Келисим сандығы сизлерден алдын Иордан дәрьясынан өтеди. 12Енди өзлериңизге ҳәр бир урыўдан бир адамнан, яғный Израил урыўларынан он еки адамды сайлап алыңлар. 13Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басқанда, жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, бир жерге топланады».
14Халық Иордан дәрьясынан өтиў ушын түнеген жеринен жолға шықты. Келисим сандығын көтерген руўханийлер алдында жүрип баратыр еди. 15Иордан дәрьясы жыйын-терим ўақтында тасып, кәнарынан шығып кететуғын еди. Сонда сандықты көтерген руўханийлер дәрьяның жағасына барып, суўға аяқларын тийгизиўден-ақ, 16жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, жүдә узақларда, Саретанға жақын болған Адам қаласында топланып, жоқарылай баслады. Ал Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге аққан дәрьяның қалған суўлары болса, пүткиллей тоқтап қалды. Халық дәрьяны Ерихоның қарсы алдынан кесип өтти. 17Пүткил халық дәрьядан өтип болғанша, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер дәрьяның қурғап қалған ултанының ортасында қозғалмай турды. Солай етип, пүткил Израил халқы дәрьяның қурғап қалған ултаны арқалы өтти.

 

4

 

Естелик таслардың орнатылыўы

 

1Пүткил халық Иордан дәрьясынан өтип болғаннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
2– Халық ишинен он еки адамды, яғный ҳәр урыўдан бир адамнан сайлап алың да, 3оларға былай деп буйырыңлар: «Бул жерден, Иордан дәрьясының ортасынан, руўханийлердиң аяқлары қыймылдамай турған жерден он еки тас алыңлар. Бул тасларды өзлериңиз бенен бирге алып, түнейтуғын жериңизге апарып қойыңлар».
4Солай етип, Ешуа Израилдың ҳәр бир урыўынан өзи сайлап алған он еки адамды шақырып алып, 5оларға былай деп буйырды:
– Дәрьяның ортасына, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сандығының алды бетине барып, Израил халқының урыў санына қарай ҳәр бириңиз ийниңизге бир тастан көтерип алыңлар. 6Олар сизлер ушын белги болады. Балаларыңыз келешекте: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сорағанда, 7оларға: «Иордан дәрьясының суўлары Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында ақпай қалды. Келисим сандығы дәрьядан өтип атырғанда, ағып турған суўлар тоқтап қалды. Бул таслар Израил халқы ушын сол ўақыядан мәңгиге естелик болады», – дейсизлер.
8Израиллылар Ешуаның буйрығын орынлады. Жаратқан Ийениң Ешуаға айтқанындай, Израил урыўларының санына қарай Иордан дәрьясының ортасынан алынған он еки тасты олар өзлери түнеген жерге алып келип, сол жерге қойды. 9Ешуа Иордан дәрьясының ортасына, Келисим сандығын көтерген руўханийлер турған жерге басқа он еки тас орнатты. Бул таслар бүгин де сол жерде тур.
10Солай етип, Жаратқан Ийениң халыққа жеткизиў ушын Ешуаға буйырған ҳәр бир нәрсеси орынланыўға дейин, сандықты көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасында турды. Ҳәр бир нәрсе Муўсаның Ешуаға буйырғанындай етип исленди. Халық дәрьядан асығыслық пенен өтти. 11Пүткил халық дәрьядан өткеннен кейин, Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер де халықтың көз алдында дәрьядан өтти. 12Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Муўсаның өзлерине буйырғаны сыяқлы қурал асынып, Израил халқының алдында дәрьядан кесип өтти. 13Усы тәризде қырқ мыңға шамалас қураллы адамлар урысыў ушын Жаратқан Ийениң алдында Ерихо тегислигине өтти.
14Жаратқан Ийе сол күни Ешуаны пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қылды. Муўсаға өмири бойы қандай ҳүрмет көрсетилген болса, Ешуаға да сондай ҳүрмет көрсетиле баслады.
15Жаратқан Ийе Ешуаға:
16– Келисим сандығын көтерген руўханийлерге Иордан дәрьясынан шығыўды буйыр, – деди.
17Ешуа руўханийлерге:
– Иордан дәрьясынан шығыңлар, – деп буйырды. 18Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасынан шығып, жағаға аяқ басыўдан-ақ, дәрьяның суўлары бурынғыдай жийеклеринен тасып аға баслады.
19Халық биринши айдың оныншы күни Иордан дәрьясынан өтип, Гилгалға, Ерихоның шығыс шегарасына орналасты. 20Ешуа Иорданнан алынған он еки тасты Гилгалға орнатты. 21Соңынан ол Израил халқына былай деди:
– Келешекте сизлердиң урпақларыңыз өз әкелеринен: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сораса, 22оларға Израил халқының Иордан дәрьясының қурғап қалған ултаны арқалы өткенин айтың. 23Қудайыңыз Жаратқан Ийе Қамыс теңизин бизлер өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслаған болса, Иордан дәрьясын да сизлер өтип боламан дегенше, солай қурғатып таслағанын түсиндириң. 24Ол буларды жер жүзиндеги барлық халықлар Жаратқан Ийениң қаншелли қүдиретли екенин билиўи ушын ҳәм сизлер де бәрқулла Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўыңыз ушын иследи.

 

5

 

1Жаратқан Ийениң Иордан дәрьясының суўларын израиллылардың алдында, олар өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслағанын Иорданның батыс тәрепиндеги амор патшалары ҳәм Жер Орта теңизи жағасындағы кенаан патшалары еситкенде, руўхлары түсти. Израиллылардан қорққанынан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады.

 

Гилгалдағы сүннет етилиў

 

2Сол ўақытта Жаратқан Ийе Ешуаға:
– Тастан пышақлар ислеп, израиллыларды бурынғыдай сүннет ет, – деди.
3Солай етип, Ешуа тастан пышақлар ислеп, израиллыларды Аралот төбешигинде сүннет етти.
4Буны ислегениниң себеби мынаў еди: Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси, урысқа жарамлы болған барлық ер адамлар Мысырдан шыққаннан соң, шөлде жүргенде өлип кеткен еди. 5Мысырдан шыққан барлық ер адамлар сүннет етилген еди. Бирақ Мысырдан шыққаннан кейин шөлде жүрген ўақытта туўылған ер адамлардың ҳеш бири сүннет етилмеген еди. 6Мысырдан шыққанда урысқа жарамлы болғанлардың ҳәммеси өлип болғанша, израиллылар шөлде қырқ жыл гезип жүрди. Себеби олар Жаратқан Ийениң сөзин тыңламаған еди. Жаратқан Ийе оларға: «Мен ата-бабаларыңызға ўәде етип, сизлерге беремен деген сүт ҳәм пал ағып турған жерди сизлер көрмейсизлер», – деп ант ишкен еди. 7Жаратқан Ийе олардың орнына балаларына өмир берди. Сүннет етилмеген бул балаларды Ешуа сүннет етти. Өйткени олар жолда сүннет етилмеген еди. 8Барлық ер адамлар сүннет етилгеннен соң, тәўир болғанша, ордадағы өз орынларында қалды.
9Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға:
– Мысырда сизлерде болған масқарашылықты бүгин алып тасладым, – деди. Сонлықтан сол жер бүгин де Гилгал[1] деп аталады.
10Гилгалда Ерихо тегислигине орда қурған Израил халқы айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын[2] байрамлады. 11Бир күн даўам еткен байрамнан соң, олар елдиң зүрәәтинен ашытқысыз нан ҳәм қуўырмаш жеди. 12Олар сол елдиң зүрәәтинен жей баслады ҳәм ертеңине маннаның жаўыўы пүткиллей тоқтады. Израиллылар сол жылы Кенаан елиниң зүрәәти менен азықланды.

 

Ерихо қаласының қулаўы

 

13Ешуа Ерихо қаласына жақын жерде болғанда, басын көтерип қарап, алдында қылыш услап турған бир адамды көрди. Ешуа оған жақынласып:
– Сен бизлер тәрептиң адамымысаң ямаса душпан тәрептиң бе? – деп сорады.
14Сол адам оған:
– Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, Мен келдим, – деди.
Сол ўақытта Ешуа ет-бетинен жерге жығылып, оған табынды да:
– Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады.
15Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасы Ешуаға:
– Аяқ кийимиңди шеш. Өйткени сен турған жер – мухаддес, – деди. Ешуа айтылғанды орынлады.
16Израиллылар себепли, Ерихо қаласының дәрўазалары тас қылып жабылған еди. Ол арқалы ҳеш ким кирмеди де, шықпады да.

 

6

 

1Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Мен Ерихо қаласын, оның патшасын ҳәм жаўынгерлерин саған тәслим қыламан. 2Сен пүткил әскерлериң менен бирге алты күн даўамында қала дөгерегин күнине бир мәртебе айланып шығыўың керек. 3Кәрнай көтерген жети руўханий сандықтың алдында жүрсин. Жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыңлар ҳәм сонда руўханийлер кәрнайларын шертсин. 4Руўханийлердиң кәрнайларды узақ созып шерткенин еситкениңизде, пүткил халық бәлент даўыс пенен бақырсын. Сонда қаланың дийўаллары қулап түседи ҳәм ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға киреди.
5Нун улы Ешуа руўханийлерди шақырып алып, оларға:
– Келисим сандығын көтериңлер. Жети руўханий қолларына кәрнайларды алып, Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди. 6Соңынан халыққа:
– Алға жүриңлер, қаланың дөгерегин айланыўды баслаңлар. Қураллы адамлар Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди.
7Ешуа бул сөзлерди халыққа айтып болғаннан соң, кәрнайларды көтерген жети руўханий кәрнайларды шертип, Жаратқан Ийениң алдында алға жүре баслады. Олардың изинен Жаратқан Ийениң Келисим сандығы алып жүрилди. 8Қуралланған адамлар кәрнай шерткен руўханийлердиң алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинен жүрип киятыр еди. Сол ўақытта кәрнайлар да үзликсиз шертилип турды. 9Сонда Ешуа халыққа:
– Бақырмаңлар, сеслериңизди шығармаңлар. Мен: «Бақырыңлар», – демегенимше, аўзыңыздан бирде бир сөз шықпасын. Буйрығымды еситкен ўақтыңызда, бақырыңлар, – деп буйырды.
10Солай етип, олар Жаратқан Ийениң сандығын көтерип, қала әтирапын бир мәртебе айланды. Кейин ордаға келип, сол жерде түнеди.
11Ертеңине азанда Ешуа ерте оянды ҳәм руўханийлер Жаратқан Ийениң сандығын көтерди. 12Кәрнайларды көтерген жети руўханий Жаратқан Ийениң сандығының алдында кәрнайларды шертип жүрди. Қуралланған адамлар олардың алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинде жүрди. Сол ўақытта кәрнайлар үзликсиз шертилип турды. 13Солай етип, олар екинши күни де қала әтирапын бир мәртебе айланып, ордаға қайтып келди. Олар бул исти алты күн тәкирарлады.
14Жетинши күни олар ерте, жаңа таң атқанда турып, қала әтирапын анық сол тәризде жети мәртебе айланып шықты. Олар тек сол күни ғана қала әтирапын жети мәртебе айланып шықты. 15Руўханийлер жетинши айланбада кәрнайларын шерткенде, Ешуа халыққа былай деди:
– Бақырыңлар! Жаратқан Ийе қаланы сизлерге берди! 16Қала ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге бағышланып, жоқ қылынсын. Тек бизлер жиберген жансызларды жасырып қалған бузық ҳаял Рахаб ҳәм оның үйиндегилер ғана аман қалады. 17Абайлаңлар, бағышланған нәрселерге қол тийгизбеңлер. Сол нәрселерди бағышлап болып, кейин олардан алсаңыз, сизлер Израилдың ордасын қырғынға ушыратып, бәлеге дуўшар қыласыз. 18Пүткил алтын, гүмис, мыс ҳәм темир нәрселер Жаратқан Ийеге бағышланған болып, олар Жаратқан Ийениң қазнасына түседи.
19Солай етип, руўханийлер кәрнайларын шертти. Халық бул даўысты еситиўден, қатты бақырысты ҳәм дийўаллар қулап түсти. Ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға кирди ҳәм оны қолға киргизди. 20Олар еркек ҳәм ҳаялларды, жас ҳәм ғаррыларды, ири ҳәм майда малларды, ешеклерди, қаладағы ҳәмме тири жанды қылыштан өткизип, қырып таслады.
21Ешуа усы жерге жансыз болып келген еки адамға:
– Сол бузық ҳаялдың үйине барыңлар. Ант ишкениңиздей, ҳаялды ҳәм оның пүткил жақынларын сыртқа алып шығыңлар, – деди.
22Үйге кирген жас жансызлар Рахабты, оның ата-анасын, аға-инилерин, ағайинлерин ҳәм оның үйиндеги ҳәмме адамларды алып шығып, Израилдың ордасының жанына әкелди. 23Соңынан олар қаланы ишиндегилери менен бирликте жағып жиберди. Тек алтын, гүмис, мыс ҳәм темир нәрселерди Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына салды. 24Ешуа бузық ҳаял Рахабты, оның әкесиниң үй-ишин ҳәм жақынларын тири қалдырды. Ешуаның Ерихоны көзден өткизип келиў ушын жиберген жансызларын жасырып қалған Рахаб бүгин де израиллылардың арасында жасамақта.
25Буннан соң, Ешуа былай деп ғарғыс жәриялады:
– Бул қаланы, яғный Ерихо қаласын қайтадан тиклеўге ҳәрекет еткен адам Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Сол адам қаланың тийкарын өзиниң туңғыш улының үстине салады, ал қала дәрўазасын генже улының үстине қурады.
26Жаратқан Ийе Ешуа менен бирге еди ҳәм Ешуаның даңқы елдиң ҳәмме жерине жайылды.

 

7

 

Аханның гүнасы

 

1Деген менен, израиллылар бағышланған нәрселерге қыянет иследи. Яҳуда урыўынан болған Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан бағышланған нәрселердиң айырымларын алғанлықтан, Жаратқан Ийениң израиллыларға қәҳәри келди.
2Ешуа Ериходан Бейт-Элдиң шығысында, Бейт-Аўенге жақын жерде жайласқан Ай қаласына адамларды жиберип атырып, оларға:
– Барып, елди көзден өткизиңлер, – деди.
Адамлар барып, Ай қаласын көзден өткизди. 3Кейин олар Ешуаның қасына қайтып келип, оған:
– Пүткил халықтың ол жерге барып, әўере болыўының ҳәжети жоқ. Саны жағынан аз болған Ай қаласының халқын жеңиўге еки-үш мың адам жеткиликли, – деди.
4Солай етип, үш мыңға жақын израиллылар қалаға қарай жүрис қылды. Бирақ олар Ай халқынан қаша баслады. 5Ай халқы израиллыларды қала дәрўазасынан Шебаримге дейин қуўып, оларды төбешиктен түсерликте қырып баслады ҳәм олардың шама менен отыз алты адамын өлтирди. Буннан қорққанынан израиллылардың руўхлары түсип, жүреклери суўлады.
6Сонда Ешуа кийимлерин жыртып, Израилдың ақсақаллары менен бирликте басларына топырақ шашты ҳәм Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жерге жығылып, кешке дейин сол аўҳалда жатты. 7Соңынан Ешуа былай деди:
– О, Ийем, Жаратқан Ийе, Сен бизлерди аморларға тәслим етип, жоқ қылыў ушын Иордан дәрьясынан өткизген бе едиң? Қәнекей, дәрьяның арғы тәрепинде қалсақ еди! 8О, Ийемиз, Израил халқы душпанларынан қашқаннан соң, мен не айта аламан? 9Кенаанлылар ҳәм усы жерде жасайтуғын басқа халықлар буны еситкенде, әтирапымызды қоршап алып, атымызды жер жүзинен жоқ қылады. Сонда Сен Өзиңниң уллы атыңды сақлап қалыў ушын не ислейжақсаң?
10Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Орныңнан тур! Неге булай ет-бетиңнен жерге жығылып жатырсаң? 11Израиллылар гүна ислеп, Мениң оларға орынлаң деп буйырған келисимимди бузды. Олар бағышланған нәрселердиң бир бөлегин урлады ҳәм алдап, өз затларының арасына жасырды. 12Сол себепли, ендигиден былай израиллылар душпанларына қарсы тура алмайды, олар артқа қайтып, душпанларының алдына түсип қашады. Себеби олар жоқ қылыныў жазасына тартылған. Сизлер өзлериңиздеги бағышланған нәрселерди жоқ етпесеңиз, Мен артық сизлер менен бирге болмайман. 13Бар, сен халықты пәкле ҳәм оларға былай де: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе: „Ҳәй, Израил, сизлердиң араңызда бағышланған нәрселер бар. Сол нәрселерди жоқ етпегениңизше, душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар“, – дейди. 14Таң атқанда, сизлер урыў-урыў болып дизилип, гезек пенен алдыға шығасызлар. Жаратқан Ийениң көрсеткен урыўы тийре-тийре болып алдыға шығады. Соң Жаратқан Ийе көрсеткен тийре хожалықлары менен бирме-бир алдыға шығады. Кейин Жаратқан Ийе көрсеткен хожалықтың ер адамлары алдыға шығады. 15Бағышланған нәрселерди алды деп көрсетилген адам өзине тийисли ҳәр бир нәрсе менен бирликте жағып жибериледи. Себеби ол адам Жаратқан Ийениң келисимин бузып, Израилда жеркенишли гүна иследи».
16Таң азаннан турған Ешуа Израил халқын урыў бойынша алдыға шығарды. Сонда олардың ишинен Яҳуда урыўы көрсетилди. 17Яҳуда тийрелери алдыға шығарылғанда, Зерах тийреси көрсетилди. Зерах тийреси хожалықлары менен алдыға шығарылғанда, Забдий хожалығы көрсетилди. 18Забдий хожалығының ер адамлары алдыға шығарылғанда, Яҳуда урыўынан Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан көрсетилди.
19Сонда Ешуа Аханға:
– Улым! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ҳүрметин орнына қой ҳәм Оның уллылығын тән алып, ҳақыйқатын айт, не иследиң? Меннен жасырма, – деди.
20Ахан Ешуаға былай деди:
– Дурыс, мен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Мен мына исти қылған едим: 21олжалардың ишинде Шынардан әкелинген сулыў бир шапан, еки жүз шекел гүмис, елиў шекел аўырлығында бир алтын қуйманы көргенимде ҳәўесим келип, оларды алдым. Гүмисти ең астына салып, олардың ҳәммесин шатырымның ишине, жерге жасырдым.
22Ешуа жиберген адамлар дәрҳал шатырға қарай жуўырып кетти. Олар сол жерге көмилген затларды тапты. Гүмис ең астына көмилген екен. 23Олар бул нәрселердиң ҳәммесин шатырдан алды да, Ешуаға ҳәм Израил халқына әкелип берип, Жаратқан Ийениң алдына қойды.
24Ешуа ҳәм пүткил Израил халқы Зерах улы Аханды, гүмисти, алтын қуйманы, шапанды, Аханның ул-қызларын, ири ҳәм майда малларын, ешеклерин, оның шатырын ҳәм шатырының ишиндеги барлық затларын Ахор ойпатлығына апарды.
25Ешуа Аханға:
– Сен неге бизлерди бул бәлеге жолықтырдың? Жаратқан Ийе бүгин өзиңди бәлеге жолықтырады, – деди.
Соңынан пүткил Израил халқы Ахан менен оның хожалығындағыларды тас боран қылып өлтирди ҳәм оларды отқа жағып жиберди. 26Кейин олар Аханның үстине үлкен тас үйиндисин үйди. Бул үйинди бүгин де бар. Солай етип, усы ўақыядан соң, Жаратқан Ийениң қәҳәри басылды. Сол жердиң бүгинги күнге дейин Ахор[3] ойпатлығы деп аталыўының мәниси усы.

 

8

 

Ай қаласының қыйралыўы

 

1Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Қорқпа ҳәм қәўетерленбе. Барлық әскерлерди жаныңа алып, Ай қаласына жүрис қыл. Мине, Ай патшасын, халқын, қаласын ҳәм оның жерин саған тәслим қылдым. 2Ерихо қаласына ҳәм оның патшасына не ислеген болсаң, Ай қаласына ҳәм оның патшасына да соны исле. Бирақ ондағы мал ҳәм затларды олжа етип алыңлар. Қаланың арт бетине бекинис жаса.
3Солай етип, Ешуа барлық әскерлер менен бирликте Ай қаласына жүрис қылыўға таярланды. Ол таңлаған отыз мың мәрт жаўынгерди түнде жолға атландырып атырып, 4оларға былай деп буйырды:
– Енди сизлер барып, қаланың арт бетиндеги бекинисте жатыңлар. Қаладан онша алыслап кетпеңлер. Ҳәммеңиз таяр болып турыңлар. 5Мен жанымдағы адамлар менен бирликте қалаға жақынласаман. Душпан қаладан шығып, әўелгидей бизлерге қарсы келгенде, бизлер олардан қашқандай болып, 6оларды қаладан узақластырғанша изимизден ертип барамыз. Олар бизлерди бурынғыдай қашып баратыр деп ойлайды. Бизлер олардан қашып баратырғанымызда, 7сизлер бекинисте жатырған жериңизден шығып, қаланы қолға киргизесизлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ол жерди сизлерге тәслим етежақ. 8Қаланы қолға киргизгениңизден соң, оған от бериңлер. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша ҳәрекет етиңлер. Минекей, мениң сизлерге буйрығым усы.
9Соңынан Ешуа оларды жолға атландырды. Адамлар кетип, Бейт-Эл менен Ай қаласының арасындағы, яғный Ай қаласының батыс тәрепиндеги бекинисте жатты. Ал Ешуа болса, түнди қалған адамлар менен бирге өткизди.
10Ешуа таң азаннан турды да, әскерлерди көзден өткерип, оларды сапқа турғызды. Кейин өзи ҳәм Израилдың ақсақаллары әскерлердиң алдына түсип, Ай қаласына қарай жолға шықты. 11Ешуа ҳәм оның жанындағы барлық әскерлер қалаға жүрис қылды. Олар жақынлап барып, қаланың арқа тәрепине орда қурды. Олар менен қаланың арасында бир ойпатлық бар еди. 12Ешуа бес мыңға шамалас адамға Бейт-Эл менен Ай қаласы арасына, қаланың батыс тәрепине бекинис қурғызды. 13Соңынан арқада орда қурғанлар да, батыста бекинисте жатырғанлар да урыс майданына түсиўге таяр турды. Ешуа сол түни ойпатлыққа келди.
14Буны көргенде Ай патшасы адамлары менен израиллыларға қарсы урысыў ушын қаладан асығыс түрде шықты. Ешуа жобаластырғандай олар Иордан тегислигиниң жанындағы бир жерге шықты. Деген менен, олар өзлерине қарсы қаланың артқы тәрепинде бекинис жасалғанынан хабарсыз еди. 15Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар қала халқынан жеңилип атырғандай болып, шөлге қарай қаша баслады. 16Қаладағы пүткил халық израиллылардың изинен қуўыўға шақырылды. Олар Ешуаны қуўа берип, қаладан узақласып кетти. 17Израиллыларды қуўыўға Ай қаласы менен Бейт-Элден бир адам қалмай шыққан еди. Олар израиллыларды қуўыўға шығып баратырып, қаланы қорғаўсыз, ашық қалдырған еди.
18Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға:
– Қолыңдағы семсерди Ай қаласына қарай соз. Мен сол жерди саған тәслим етип атырман, – деди.
Ешуа қолындағы семсерди туўры қалаға қарай созды. 19Ол қолын созыўдан-ақ, бекинисте жатырғанлар орынларынан ушып турып, қалаға кирди. Олар қаланы қолға киргизип, оны дәрҳал жағып жиберди.
20Ай қаласының турғынлары артына қарағанда, жанып атырған қаланың түтини аспанға көтерилип атырғанын көрди. Шөлге қарай қашқан израиллылар артқа қайтып, оларға ҳүжим жасағанда, олар тығыларға тесик таба алмай қалды. 21Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар бекинисте жатырғанлардың қаланы қолға киргизгенин ҳәм қаладан түтин шығып атырғанын көргенде изге қайтып, Ай халқына қарсы ҳүжим жасады. 22Қаланы қолға киргизгенлер де ҳүжимге өткенде, қала халқы еки жақтан келген израиллылардың ортасында қалды. Израиллылар олардан аман қалғанлардың да, қашқанлардың да бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин өлтирди. 23Олар Ай патшасын тирилей тутқынға алып, Ешуаның алдына әкелди.
24Ай қаласынан шығып, қыр далада ҳәм шөлде өзлериниң изинен қуўғанлардың ҳәммесин израиллылар қылыштан өткизгеннен соң, қалаға қайтып келип, сол жерде қалған адамларды да қылыштан өткизди. 25Сол күни пүткил Ай қаласының халқы, ҳаял-еркеги ҳәммеси болып он еки мың адам өлтирилди. 26Қала турғынларының ҳәммесин толық қырып болғанша, Ешуа семсер услаған қолын төмен түсирмеди. 27Израиллылар Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығына қулақ асып, тек қаладағы маллар менен затларды ғана олжа етип алды. 28Соңынан Ешуа Ай қаласын жағып жиберип, оны мәңги қарабақанаға айландырды. Сол қала бүгин де солай турыпты. 29Ешуа Ай қаласының патшасын ағашқа илдирип қойып, оны кешке шекем сол жерде қалдырды ҳәм қуяш батарда оның өли денесин ағаштан түсиртип, қала дәрўазасының кирер аўзына таслатты. Ал оның өли денесиниң үстине тасларды таслап, бир үйинди иследи. Бул үйинди бүгин де бар.

 

Мухаддес Нызамның халыққа оқылыўы

 

30Буннан соң, Ешуа Эбал таўында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды. 31Бул орын Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Израил халқына берген буйрығы бойынша, Муўсаның Нызам китабында жазылғанындай қылып қурылды. Яғный, темир тиймеген ҳәм жонылмаған таслардан қурылды. Ол жерде Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлары берилди. 32Муўсаның Израил халқы алдында жазған Нызамының көширмесин Ешуа сол жердеги тасларға жазды. 33Ал пүткил израиллылар болса, ақсақаллар, қадағалаўшылар, қазылар ҳәм келгинди адамлар менен бирликте Жаратқан Ийениң Келисим сандығының еки тәрепинде сандықты көтерген лебийли руўханийлерге қарама-қарсы болып дизилди. Халықтың биринши ярымы Гериззим таўы тәрепинде, екинши ярымы Эбал таўы тәрепинде турған еди. Өйткени Жаратқан Ийениң қулы Муўса жарылқаў алыў ушын усы тәризде турыўды алдын буйырған еди. 34Кейин Ешуа Нызам китабында жазылғанындай етип, жарылқаў ҳәм ғарғыс сөзлердиң барлығын оқыды. 35Солай етип, Ешуа пүткил Израил жәмийетиниң, ҳаяллардың, балалардың ҳәм халықтың арасында болған келгинди адамлардың алдында Муўсаның буйрықларынан бирде бир сөз қалдырмай оқып берди.

 

9

 

Гибонлылардың ҳийлеси

 

1Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, таўлы үлкеде, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Лебанонға дейин созылған Жер Орта теңизи жағасында жасайтуғын барлық патшалар: хетт, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус патшалары болып өткен ўақыяларды еситкенде, 2Ешуаға ҳәм Израил халқына қарсы урысыў ушын ҳәммеси бир жерге жыйналды.
3Ал Гибон халқы болса, Ешуаның Ерихо ҳәм Ай қалаларына ислеген ислерин еситкенде, 4ҳийле қолланбақшы болды. Олар өзлерин елши қылып көрсетип, ешеклерине ески қалталар, гөне, жыртық ҳәм жамаў-жамаў шарап меслерин жүкледи. 5Аяқларына ески ҳәм жамалған аяқ кийимлер, үстилерине гөне-көкси кийимлер кийди. Олардың дорбаларындағы нанлар кеўип қалған ҳәм көгерип кеткен еди. 6Солай етип, сол адамлар Гилгалдағы ордаға, Ешуаның жанына келди. Олар Ешуаға ҳәм Израил халқына:
– Бизлер бир узақ елден келдик. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлер едик, – деди.
7Бирақ израиллылар хиўлерге[4]:
– Сизлер менен неге келисим дүзиўимиз керек екен? Мүмкин, сизлер бизлерге жақын жерде жасайтуғын шығарсыз, – деди. 8Олар Ешуаға:
– Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
Ешуа олардан:
– Сизлер кимсиз? Қаяқтан киятырсыз? – деп сорады.
9Олар Ешуаға былай деди:
– Қулларың болған бизлер бир узақ елден келдик. Себеби сениң Қудайың Жаратқан Ийениң даңқы туўралы еситкен едик. Бизлер Қудай ҳаққында ҳәмме нәрседен: Оның Мысырда ислеген ҳәр бир исинен, 10Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасына, яғный Хешбон патшасы Сихонға ҳәм Аштаротта ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огқа нелер ислегенинен де хабарымыз бар. 11Сонлықтан ақсақалларымыз ҳәм елимиздиң барлық халқы бизлерге былай деген еди: «Жаныңызға азық-аўқат алып, оларды қарсы алыў ушын шығыңлар ҳәм оларға: „Бизлер сизлердиң қулларыңызбыз. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлеймиз“, – деңлер». 12Бизлер сизлерге келиў ушын жолға шыққан күнимизде, азық ушын үйимизден алған бул нанларымыз ыссы еди. Енди қараңлар, олар кеўип, көгерип кеткен. 13Шарап толтырылған мына меслер де таза еди. Мине, олардың қалай жыртылып қалғанына қараңлар. Көп жол басып өткенимиз себепли, кийим-кеншегимиз ҳәм аяқ кийимимиз де тозып қалды.
14Израиллылар Жаратқан Ийе менен кеңеспестен, гибонлылардың азықларынан алып, татып көрди. 15Ешуа оларды аман қалдыратуғынына сөз берип, олар менен парахатшылық келисимин дүзди. Жәмийет басшылары да келисимге садық қалатуғынына ант ишти. 16Деген менен, келисим дүзилгенинен кейин үш күн өткенде, олар гибонлылардың жақын жерде, өзлериниң арасында жасайтуғынын билди. 17Өйткени израиллылар жолға шығып, үш күннен кейин олардың Гибон, Кефира, Беерот ҳәм Кирят-Ярим деген қалаларына келген еди. 18Бирақ израиллылар оларға шабыўыл жасамады. Себеби жәмийет басшылары Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен еди. Сонлықтан халық жәмийет басшыларына наразы болып, тоңқылдай баслады. 19Басшылар халыққа:
– Бизлер оларға Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант иштик. Сонлықтан оларға қол тийгизе алмаймыз. 20Ант ишкенимиз себепли, оларды аман қалдырамыз, болмаса Қудайдың ғәзебине ушыраймыз, – деди.
21Соңынан халыққа усыныс етип:
– Оларды аман қалдырайық, – деди.
Солай етип, басшылар берген сөзинде турды ҳәм гибонлылар пүткил жәмийет ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын болды.
22Кейин Ешуа гибонлыларды шақырып алып, оларға былай деди:
– Жақын жерде жасай турып, неге жүдә узақ жерден келдик деп, бизлерди алдадыңыз? 23Сол себептен сизлер ғарғысқа ушырайсызлар. Енди мәңгиге қул болып қаласызлар. Сизлер Қудайымның Үйи ушын отын шаўып, суў тасыйсызлар.
24Гибонлылар Ешуаға былай деп жуўап берди:
– Мырзамыз, сениң Қудайың Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаға пүткил елди сизлерге беретуғынын ҳәм елде жасайтуғынлардың ҳәммесин жоқ қылыўды буйырғанын еситкен едик. Бизлер сизлерден қатты қорқтық ҳәм жанымыздан айырылыўдан қәўетерленип, усылай иследик. 25Енди бизлер сениң қолыңдамыз. Сен нени мақул ҳәм дурыс деп тапсаң, соны исле.
26Солай етип, Ешуа оларды израиллылардың қолынан қутқарды ҳәм оларды өлтиртпеди. 27Сол күни Ешуа оларды жәмийет ушын ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген жерде қурылатуғын Оның қурбанлық орны ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын хызметке қойды. Олар бүгин де сол жумысты атқарады.

 

10

 

Аморлардың жеңилиске ушыраўы

 

1Ерусалим патшасы Адоний-Седек Ешуаның Ерихоны қолға киргизип, патшасын жоқ қылғаны сыяқлы, Ай қаласын да қолға киргизип, толық қыйратқанын ҳәм патшасын өлтиргенин, Гибон халқының да израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзип, олар менен бирге жасап атырғанын еситти. 2Сонда оны күшли қорқыныш бийледи. Өйткени Гибон өз патшасына ийе болған қалалардың бири сыяқлы үлкен бир қала еди. Ол Ай қаласынан да үлкен болып, халқы мәрт жаўынгерлер еди. 3Сол себепли Ерусалим патшасы Адоний-Седек Хеброн патшасы Ҳоҳамға, Ярмут патшасы Пирамға, Лахиш патшасы Яфиаға ҳәм Эглон патшасы Дебирге мына хабарды жиберди: 4«Келип, маған Гибонды жоқ етиўге жәрдем бериңлер. Себеби Гибон халқы Ешуа ҳәм Израил халқы менен бирликте парахатшылық келисимин дүзипти». 5Солай етип, аморлардың бес патшасы – Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон патшалары әскерлерин топлады ҳәм ҳәммеси бирликте барып, Гибонның қарсысына орда қурды да, ҳүжимге өтти.
6Гибонлылар Гилгалдағы ордада болған Ешуаға мына хабарды жиберди: «Қулларың болған бизлерди жалғыз таслап кетпе. Бизлерге тезирек келип, жәрдем қолыңды соз ҳәм бизлерди қутқар. Өйткени таўлы елдеги аморлардың барлық патшалары бизлерге қарсы бирлести».
7Сонлықтан Ешуа пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери менен бирге Гилгалдан жолға шықты. 8Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға:
– Олардан қорқпа. Мен оларды саған тәслим етип атырман. Олардың ҳеш бири саған қарсы тура алмайды, – деди.
9Гилгалдан шығып, түни менен жол жүрген Ешуа аморларға тосаттан ҳүжим жасады. 10Жаратқан Ийе аморларды израиллылардың алдында албыратып таслады ҳәм израиллылар оларды Гибонда үлкен қыйралыўға ушыратты. Бейт-Хоронға баратуғын жол бойынша, оларды Азеқаға ҳәм Маккедаға жеткенше қуўып, өлтирип барды. 11Жаратқан Ийе израиллылардан қашқан аморлардың үстине Бейт-Хороннан Азеқаға барғанша аспаннан ири тас буршақ жаўдырды. Жаўған тас буршақтың астында өлгенлер израиллылардың қылыш пенен өлтиргенлеринен де көбирек еди.
12Жаратқан Ийениң аморларды израиллылар тәрепинен қыйратқан күни Ешуа Израил халқының алдында Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол халықтың көз алдында былай деди:

 

 

«Ҳәй қуяш, тур сен Гибон үстинде,
Ҳәй ай, сен де Айялон ойпатлығында».

 

 

13Халық өз душпанларынан өшин алғанша, қуяш тоқтап, ай да өз орнында турды. Бул ўақыя Яшар китабында[5] сөз етилген. Қуяш шама менен бир күн бойы аспанның ортасында турды, батыўға асықпады. 14Жаратқан Ийе адамның сөзине қулақ асқан бундай күн – буннан алдын да, буннан кейин де болған емес. Себеби Жаратқан Ийениң Өзи Израил ушын саўаш жүргизген еди.
15Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Гилгалдағы ордаға қайтып келди.

 

Амор патшаларының өлтирилиўи

 

16Аморлардың бес патшасы қашып, Маккедадағы бир үңгирге жасырынған еди. 17Ешуаға: «Бес патша табылды. Олар Маккедадағы бир үңгирге жасырынып алған екен», – деген хабар жетти. 18Ешуа халыққа былай деди:
– Үңгирдиң аўзын үлкен таслар менен жаўыңлар ҳәм сол жерди қорғап турыў ушын сақшылар жибериңлер. 19Бирақ сизлер қарап тура бермей, душпанларыңыздың изинен қуўыңлар. Оларға арт бетинен ҳүжим жасап, өз қалаларына кетиўине тосқынлық етиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе оларды сизлерге тәслим еткен.
20Ешуа ҳәм израиллылар душпанды жүдә аўыр жеңилиске ушыратып, оларды пүткиллей жоқ етти. Ал аман қалғанлар болса, қорған қалаларға барып, баспана тапты. 21Соңынан пүткил израиллылар аман-есен Маккедадағы ордаға, Ешуаның жанына қайтты. Ҳеш бир адам израиллыларға қарсыласыўға жүрексине алмады.
22Сонда Ешуа адамларына:
– Үңгирдиң аўзын ашып, сол бес патшаны шығарың да, оларды маған алып келиңлер, – деди.
23Олар бес патшаны, яғный Ерусалим, Хеброн, Ярмут, Лахиш ҳәм Эглон қалаларының патшаларын үңгирден шығарып, Ешуаға алып келди. 24Патшалар алып келингенде, Ешуа пүткил Израил халқын жыйнады. Өзи менен урысқа қатнасқан әскербасыларға болса:
– Жақынырақ келип, аяқларыңызды мына патшалардың желкелерине қойыңлар, – деди.
Әскербасылар жақынлап келип, аяқларын патшалардың желкелерине қойды. 25Ешуа оларға:
– Қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер. Күшли ҳәм мәрт болыңлар. Жаратқан Ийе сизлер менен урысатуғын душпанларыңыздың ҳәммесин усындай аўҳалға салады, – деди.
26Кейин Ешуа бес патшаны өлтирип, оларды бес ағашқа илдирип қойды. Денелер кешке дейин ағашқа илдириўли турды.
27Қуяш батарда, Ешуаның буйрығы бойынша патшалардың денелери ағашлардан алынып, бурын өзлери жасырынған үңгирдиң ишине тасланды. Ал үңгирдиң аўзы үлкен таслар менен жаўылды. Бул таслар бүгинги күнге дейин сол жерде тур.
28Ешуа сол күни-ақ Маккеда қаласын басып алды, оның патшасын ҳәм халқын қылыштан өткизди. Ол қалада бирде бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Ешуа Ерихо қаласының патшасына не қылған болса, Маккеда қаласының патшасына да соны қылды.

 

Қубладағы қалалардың қолға киргизилиўи

 

29Ешуа Израил халқы менен бирликте Маккедадан Либна қаласына барып, қалаға ҳүжим жасады. 30Жаратқан Ийе қаланы ҳәм оның патшасын израиллыларға тәслим етти. Ешуа пүткил қала халқын қылыштан өткизди, бирде бир тири жан қалдырмады. Ол Ерихо қаласының патшасына не ислеген болса, бул қаланың патшасына да соны иследи.
31Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирге Либнадан Лахиш қаласына келди ҳәм қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти. 32Жаратқан Ийе Лахишти израиллыларға тәслим етти. Ешуа ертеңине қаланы басып алды. Ол Либнада ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын қылыштан өткизди. 33Сонда Гезер қаласының патшасы Хорам Лахишке жәрдемге келди. Ешуа ҳеш бир тири жанды аман қалдырмай, оны ҳәм оның әскерлерин қырып таслады.
34Ешуа Израил халқы менен Лахиштен шығып, Эглонға келди. Ол қала қарсысына орда қурып, ҳүжимге өтти. 35Олар қаланы сол күни-ақ басып алды. Лахиште ислегени сыяқлы, бул қаланың да барлық адамларын сол күни-ақ қылыштан өткизип, қырып таслады.
36Соңынан Ешуа Израил халқы менен бирликте Эглоннан Хеброн қаласына келип, оған қарсы ҳүжимге өтти. 37Олар қаланы қолға киргизип, оның патшасын, халқын ҳәм аўылларындағы барлық адамларды қылыштан өткизди. Эглонда ислегени сыяқлы, Хебронда да ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады.
38Буннан соң, Ешуа Израил халқы менен бирликте изге қайтып, Дебирге қарсы ҳүжим жасады. 39Олар қаланы, оның патшасын ҳәм аўылларын қолға киргизип, пүткил халықты қылыштан өткизди. Ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. Хеброн, Либна қалаларына ҳәм олардың патшаларына не ислеген болса, Дебирге ҳәм оның патшасына да соны иследи.
40Солай етип, Ешуа пүткил елди: таўлы жерлерди, Негебти, батыстағы таў етеклерин ҳәм таў жанбаўырларын қолға киргизип, сол жерлердеги патшалардың барлығын жеңилиске ушыратты. Ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, ҳеш бир тири жан қалдырмай, толығы менен қырып таслады. 41Ешуа Қадеш-Барниядан Газаға дейин ҳәм Гибонға дейин созылған пүткил Гошен үлкесин басып алды. 42Ол бул патшалардың барлығын ҳәм олардың жерлерин бир урыста-ақ қолға киргизди. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Израил ушын урысқан еди. 43Кейин Ешуа Израил халқы менен бирликте Гилгалдағы ордаға қайтып келди.

 

11

 

Арқа тәрептеги патшалардың жеңилиске ушыраўы

 

1Болып өткен ўақыялар ҳаққында Хасор патшасы Ябин еситкенде, Мадон патшасы Йобабқа, Шимрон ҳәм Ахшаф патшаларына, 2арқадағы таўлы үлкелердеги, Киннерет көлиниң қубласындағы тегисликлердеги, батыстағы таў етеклериндеги ҳәм батыстағы Дор төбешиклериндеги патшаларға, 3шығыс ҳәм батыс үлкелердеги кенаанлыларға, таўлы үлкедеги амор, хетт, периз ҳәм ебус халықларына, Хермон таўының етегиндеги Миспа үлкесинде жасайтуғын хиўлерге хабар жиберди. 4Бул патшалар пүткил ләшкерлери, яғный теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әскерлери, жүдә көп ат ҳәм урыс арбалары менен жолға шықты. 5Усы барлық патшалар израиллыларға қарсы урысыў ушын бирлесип, Мером суўлары жағасына келди де, ҳәммеси бирге орда қурды.
6Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
– Олардан қорқпа. Ертең усындай ўақытта олардың ҳәммесин өлимге тапсырып, Израилға тәслим етемен. Сен олардың атларының аяқ сиңирлерин кесип, саўаш арбаларын отқа жандырып жибер.
7Солай етип, Ешуа пүткил әскерлери менен бирликте Мером суўлары жағасындағы патшаларға тосаттан ҳүжим жасады. 8Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти. Израиллылар оларды жеңилиске ушыратты ҳәм қашқанларды уллы Сидонға, Мисрефот-Майымға ҳәм шығыстағы Миспе ойпатлығына шекем қуўып барып, оларды өлтирди. Олар ҳеш кимди аман қалдырмады. 9Ешуа Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай иследи: олардың атларын майып қылды ҳәм саўаш арбаларын отқа жандырып жиберди.
10Буннан соң, Ешуа изге қайтты ҳәм Хасор қаласын қолға киргизип, оның патшасын қылыштан өткерди. Себеби Хасор бурын усы барлық патшалықлардың басы еди. 11Израиллылар қаладағы барлық адамларды қылыштан өткизип, оларды қырып таслады. Олар бирде бир тири жан қалдырмады. Кейин Ешуа Хасор қаласын жағып жиберди. 12Солай етип, Ешуа бул қалаларды ҳәм олардың патшаларын қолға түсирди ҳәм Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның буйырғанындай, ҳәммесин қылыштан өткизип, қырып таслады. 13Израиллылар Ешуаның жағып жиберген қаласы Хасордан басқа, төбешиклерде қурылған қалалардың ҳеш бирине от бермеди. 14Олар бул қалалардағы ҳәмме нәрсени ҳәм малларды олжа қылды, ал адамларының ҳәммесин қылыштан өткизди. Олар бирде бир тири жан қалдырмады. 15Жаратқан Ийениң қулы Муўса Жаратқан Ийеден алған буйрықларын Ешуаға тапсырған еди. Ешуа оларды тыңлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанларының ҳәммесин толық орынлады.
16Солай етип, Ешуа усы пүткил елди: таўлы жерлерди, пүткил Негеб ҳәм Гошен жерлерин, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин ҳәм Израил таўлары менен олардың етеклерин, 17Сеирге жақын Халақ таўынан баслап, Хермон таўының жанындағы Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадқа дейинги жерлерди басып алды. Ал олардың патшаларын қолға алып, өлтирди. 18Ешуа бул патшалар менен узақ ўақыт урысып келген еди. 19Гибонда жасайтуғын хиўлерден басқа ҳеш бир қала халқы израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзген жоқ. Израиллылар басқа қалалардың ҳәммесин урыс пенен алды. 20Өйткени Израилға қарсы урысыў ушын олардың жүреклерин қатал қылған Жаратқан Ийениң Өзи еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, израиллылар оларды аяўсыз өлтирип, толық қырып таслады.
21Сол ўақытта Ешуа барып, таўлы Хебронда, Дебирде ҳәм Анабта, Яҳуда ҳәм Израилдың барлық таўлы үлкелеринде жасайтуғын анақ халқын қалалары менен бирликте пүткиллей қырып таслады. 22Израиллылардың елинде анақлардан бирде бир адам аман қалмады. Тек Газа, Гат ҳәм Ашдодта аман қалғанлар болды. 23Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, Ешуа пүткил елди қолға киргизди ҳәм оны Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.

 

12

 

Муўса тәрепинен жеңилиске ушыраған патшалар

 

1Израиллылар Иордан дәрьясының шығысын, Иордан тегислигиниң пүткил шығыс тәрепи менен Арнон дәрьясынан Хермон таўына шекем болған жерлерди қолға киргизип, мына патшаларды жеңилиске ушыратқан еди: 2олардың бири Хешбонда жасаған аморлардың патшасы Сихон болып, оның патшалығы Арнон дәрьясының жағасындағы Ароер қаласын ҳәм сол дәрьяның ортасынан басланатуғын аммон халқының шегарасы болған Яббоқ дәрьясына дейинги жерлерди, яғный Гиладтың ярымын өз ишине алатуғын еди. 3Иордан тегислигиниң шығыс тәрепи де оған тийисли еди. Бул жер Киннерет көлинен Тегислик көлине, яғный Өли теңизге дейин созылған жерлерди, және де, Бейт-Ешимотқа ҳәм қубладағы Писга таўының жанбаўырларына дейинги жерлерди өз ишине алатуғын еди. 4Екиншиси Башан патшасы Ог болып, ол ең соңғы рефалардың[6] бири еди ҳәм Аштарот пенен Эдрейде ҳүкимдарлық етти. 5Ол Хермон таўына, Салкаға, гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған пүткил Башанға ҳәм Хешбон патшасы Сихонның шегарасына дейин созылған Гиладтың ярымына ҳүкимдарлық ететуғын еди.
6Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм израиллылар усы патшаларды жеңилиске ушыратты. Сонда Жаратқан Ийениң қулы Муўса олардың жерлерин Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына мүлик қылып берди.
7Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадтан Сеирге дейин созылған Халақ таўына шекемги Иордан дәрьясының батысындағы жерлерде жасаған патшаларды Ешуа ҳәм израиллылар жеңилиске ушыратқан еди. Олардың жерлерин Ешуа Израил урыўларына мүлик қылып бөлип берген еди. 8Яғный, Ешуа таўлы жерлерди, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин, таў жанбаўырларындағы жерлерди, шөлди ҳәм Негебти Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Бул жерлерде хетт, амор, кенаан, периз, хиў ҳәм ебус халықлары жасайтуғын еди. Израил жеңилиске ушыратқан патшалар мыналар еди:

 

 

9Ерихо патшасы,
Бейт-Элге жақын жердеги Ай қаласының патшасы,
10Ерусалим патшасы,
Хеброн патшасы,
11Ярмут патшасы,
Лахиш патшасы,
12Эглон патшасы,
Гезер патшасы,
13Дебир патшасы,
Гедер патшасы,
14Хорма патшасы,
Арад патшасы,
15Либна патшасы,
Адуллам патшасы,
16Маккеда патшасы,
Бейт-Эл патшасы,
17Таппуах патшасы,
Хефер патшасы,
18Афек патшасы,
Лашшарон патшасы,
19Мадон патшасы,
Хасор патшасы,
20Шимрон-Мерон патшасы,
Ахшаф патшасы,
21Таанах патшасы,
Мегиддо патшасы,
22Кедеш патшасы,
Кармелдеги Йоқнеам патшасы,
23Нафат-Дордағы Дор патшасы,
Гилгалдағы Гойым патшасы
24ҳәм Тирса патшасы.
Барлығы болып отыз бир патша.

 

 

13

 

Басып алынатуғын жерлер

 

1Ешуа қартайып, бираз жасқа барып қалған ўақтында, Жаратқан Ийе оған былай деди:
– Сен қартайып, бираз жасқа барып қалдың. Бирақ басып алынатуғын жерлер еле жүдә көп.
2Сол қалған жерлер мыналар: пүткил филист ҳәм гешур халықлары жасайтуғын аймақлар, 3яғный кенаанлыларға тийисли болып есапланған Мысырдың шығыс тәрепиндеги Шихор дәрьясынан арқадағы Экрон шегараларына шекем созылған жерлер – булар филист халқының бес ҳүкимдарына тийисли Газа, Ашдод, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ҳәм қублада аў халқының жерлери. 4Және де, сидонлыларға тийисли Ара деген жерден баслап, Афекке, яғный Амор шегарасына шекемги пүткил Кенаан жерлери. 5Тағы гебаллылардың жерлери ҳәм Хермон таўы етегиндеги Баал-Гадтан Лебо-Хаматқа шекем созылған шығыс тәрептеги пүткил Лебанон жерлери. 6Лебаноннан Мисрефот-Майымға шекем созылған таўлы жерде жасайтуғынларды, яғный барлық сидонлыларды израиллылардың алдынан қуўып шығараман. Саған буйырғанымдай, бул жерлерди израиллыларға мүлик етип бөлистирип бер.
7Енди бул жерлерди тоғыз урыўға ҳәм Менашше урыўының ярымына мүлик етип бөлистирип бер.

 

Иордан дәрьясының шығысындағы жерлер

 

8Менашше урыўының басқа ярымы менен Рубен ҳәм Гад урыўлары Иордан дәрьясының шығысындағы жерлерди үлес етип алды. Оларға бул жерлерди Жаратқан Ийениң қулы Муўса берген еди.
9Сол жерлер Арнон дәрьясының жағасындағы Ароерден ҳәм ойпатлықтың ортасындағы қаладан басланып, Дибонға дейин созылған пүткил Медеба кеңислигин өз ишине алады. 10Және де, оның ишине Хешбонда ҳүкимдарлық еткен аморлардың патшасы Сихонның аммон халқының шегарасына дейин созылған пүткил қалалары, 11Гилад үлкеси ҳәм гешурлылар менен маахалылардың жерлери, пүткил Хермон таўы ҳәм Салкаға дейинги пүткил Башан жерлери киреди. 12Және де, ең соңғы рефалардың бири болған, Аштарот ҳәм Эдрейде ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огтың қалған жерлериниң барлығы да киреди. Муўса рефа халқын жеңилиске ушыратып, оларды қуўып жиберген еди. 13Израиллылар гешурлылар менен маахалыларды қуўып жибермеди. Олар бүгин де израиллылардың арасында жасап келмекте.
14Муўса тек Лебий урыўына ғана жерден үлес бермеди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген қурбанлықлардың бир бөлеги лебийлилердиң үлеси болады.

 

Рубен урыўына берилген жерлер

 

15Тийре санына қарай, Муўсаның Рубен урыўына берген жерлери мыналар: 16Арнон дәрьясының жағасындағы Ароерден ҳәм ойпатлықтың ортасындағы қаладан басланып, пүткил Медеба кеңислиги, 17Хешбон ҳәм кеңисликтеги оған тийисли мына қалалардың ҳәммеси: Дибон, Бамот-Баал, Бейт-Баал-Меон, 18Яҳаса, Кедемот, Мефаат, 19Кирятайым ҳәм Сибма, ойпатлықтағы төбешикте қурылған Серет-Шахар, 20Бейт-Пеор, Писга таўының жанбаўырлары, Бейт-Ешимот, 21кеңисликтеги барлық қалалар ҳәм Хешбонда ҳүкимдарлық еткен амор патшасы Сихонның пүткил ели. Муўса Сихонды ҳәм оған тийисли жерлерде жасайтуғын Мидян көсемлери болған Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Ребаны жеңилиске ушыратқан еди. 22Израиллылар өлтирилгенлерге қосып, Беор улы палкер Биламды да қылыштан өткизди. 23Рубен урыўының жери Иордан дәрьясына шегаралас еди. Тийре санына қарай, оларға мүлик етип берилген аўыл ҳәм қалалар усылар еди.

 

Гад урыўына берилген жерлер

 

24Тийре санына қарай, Муўса Гад урыўына мына жерлерди берди: 25Язер жери, пүткил Гилад қалалары, Рабба жақынындағы Ароерге дейин созылған аммонларға тийисли болған жерлердиң ярымы, 26Хешбоннан Рамат-Миспе ҳәм Бетонимге, Маханайымнан Ло-Дебарға дейинги жерлер, 27Иордан ойпатлығындағы Бейт-Ҳарам, Бейт-Нимра, Суккот, Сафон, Хешбон патшасы Сихонның жерлеринен аўысқан бөлеги, Киннерет көлиниң қубла тәрепине дейин созылған Иордан дәрьясының шығыс тәрепи. 28Тийре санына қарай, Гад урыўына мүлик етип берилген аўыл ҳәм қалалар усылар еди.

 

Менашше урыўының ярымына берилген шығыстағы жерлер

 

29Тийре санына қарай, Муўса Менашше урыўының ярымына мына жерлерди берди: 30олар Маханайымнан басланып, Башан патшасы Огтың ели болған пүткил Башанды ҳәм Башанда Яирге тийисли болған алпыс қаланың ҳәммесин өз ишине алды. 31Және де, Гиладтың ярымын, Башан патшасы Огтың пайтахт қалалары болған Аштарот ҳәм Эдрейди өз ишине алды. Бул жерлер Менашшениң улы Махирдиң урпақларының ярымына тийре санына қарай берилген еди.
32Муўсаның Ерихоның шығысында, Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Моаб тегислигинде бөлип берген жерлери усылар еди. 33Бирақ Лебий урыўына жерден үлес берилмеди. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олардың үлеси Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өзи болады.

 

14

 

Иорданның батысындағы жерлердиң бөлистирилиўи

 

1Израиллылардың Кенаанда мүлик етип алған жерлерине келсек, бул жерлер руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшылары тәрепинен израиллыларға бөлип берилди. 2Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, үлеслер тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына шек таслаў жолы менен бөлистирилди. 3Себеби Муўса қалған еки урыў менен бир урыўдың ярымының үлесин Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде берген еди. Бирақ олар менен бирге лебийлилерге мүликтен үлес берилмеген еди. 4Юсуптиң улларынан Менашше ҳәм Эфрайым деген еки урыў келип шықты. Сонлықтан лебийлилерге жерден үлес берилмей, тек жасаў ушын қалалар ҳәм мал-мүликлери ушын сол қалалар әтирапындағы жайлаўлар ғана берилди. 5Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғаны бойынша ис тутып, жерлерди бөлисип алды.

 

Хебронның Калебке берилиўи

 

6Бир күни Яҳуда урыўынан болған адамлар Гилгалда болып атырған Ешуаға келди. Сонда Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб Ешуаға былай деди:
– Жаратқан Ийениң Қадеш-Барнияда Қудайдың адамы болған Муўсаға сен ҳәм мен туўралы нелерди айтқанынан өзиңниң хабарың бар. 7Жаратқан Ийениң қулы Муўса елди көзден өткизип келиў ушын мени Қадеш-Барниядан жибергенинде, мен қырқ жаста едим. Мен көргенлеримди ҳақ кеўлим менен жеткизип келдим. 8Деген менен, мениң менен бирге барған туўысқанларым халықтың жүрегине қорқыныш салды. Бирақ мен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсындым. 9Сонлықтан Муўса сол күни: «Сен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсынғаның ушын, аяғың тийген жерлер саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге мүлик етип бериледи», – деп ант ишкен еди. 10Сол ўақытта израиллылар шөлде жүрген еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға бул сөзлерди айтқанына қырқ бес жыл болды. Минекей, Жаратқан Ийе Өз сөзиниң үстинен шығып, маған өмир берди. Ҳәзир мен сексен бес жастаман. 11Муўса мени жиберген күнде қандай күшли болған болсам, бүгин де сондайман. Сол ўақыттағыдай, урысқа шығыўға еле де күшим жетеди. 12Енди Жаратқан Ийениң сол күни айтқанындай, бул таўлы елди маған бер. Ол жерде анақ халқының жасайтуғынын, олардың үлкен ҳәм беккем етип қорғалған қалаларының барлығын сол күни өзиң де еситкен едиң. Мүмкин, Жаратқан Ийе маған жәрдем етер ҳәм мен Оның айтқанындай, оларды сол жерден қуўып шығарарман.
13Сонда Ешуа Ефунне улы Калебке ақ пәтиясын берди ҳәм Хебронды оған мүлик қылып берди. 14Солай етип, Хеброн Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калебтиң мүлки болды ҳәм бүгинги күнге дейин бул жер оған тийисли. Өйткени ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге толық бойсынған еди. 15Хебронның ески аты Кирят-Арба болып, Арба – анақлардың ең уллы адамы еди.
Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.

 

15

 

Яҳуда урыўына берилген жерлер

 

1Тийре санына қарай, Яҳуда урыўының шегине түскен жерлер қублада болып, Эдом шегарасына, ең қублада Син шөлине дейин созылатуғын еди. 2Олардың қубла шегарасы Өли теңиздиң қубла тәрепиндеги қолтықтан басланып, 3Ақраббим бийиклигиниң қубласына, ол жерден Синге, Қадеш-Барнияның қубласынан Хесронға, Хесроннан Аддарға өтип, ол жерден Қарқаға бурылатуғын еди. 4Соңынан Асмоннан өтетуғын еди ҳәм Мысыр шегарасындағы сайды бойлап, Жер Орта теңизине тақалатуғын еди. Бул Яҳуда урыўының қубла шегарасы еди. 5Шығыс шегарасы Өли теңиз бойлап Иордан дәрьясының қуяр қолтығына қарай созылған еди. Ал арқа шегарасы Иордан дәрьясының Өли теңизге қуятуғын қолтығынан басланатуғын еди. 6Ол кейин Бейт-Хоглаға қарай созылып, Бейт-Арабаның арқа тәрепинен өтетуғын еди ҳәм Рубенниң улы Боҳанның тасы турған жерге дейин баратуғын еди. 7Соңынан шегара Ахор ойпатлығынан Дебирге дейин барып, ойпатлықтың қубласындағы Адуммим бийиклиги қарсысындағы Гилгалға бурылатуғын, бул жерден Эн-Шемеш суўларына дейин созылып, Рогел булағына барып тақалатуғын еди. 8Кейин Ебус қаласының, яғный Ерусалимниң қубла тәрепи бойлап Бен-Ҳинном ойпатлығынан өтетуғын еди. Бул жерден Рефаим ойпатлығының арқа тәрепинде болған Ҳинном ойпатлығының батысындағы таўдың төбесине көтерилип, 9ол жерден Нефтоах суў булағына бурылып, Эфрон таўындағы қалаларға созылатуғын ҳәм Баалаға, яғный Кирят-Яримге қарай бурылатуғын еди. 10Ал Бааладан батысқа, Сеир таўына қарай Ярим таўы бойлап, яғный Кесалон таўының арқа тәрепи бойлап созылып, Бейт-Шемешке қарай баратуғын ҳәм Тимна арқалы өтетуғын еди. 11Соңынан Экронның арқа тәрепиндеги жанбаўырға созылып, Шиккаронға қарай бурылатуғын, Баала таўына жеткеннен кейин, Ябнеелге баратуғын ҳәм Жер Орта теңизине барып тақалатуғын еди.
12Ал батыс шегарасы Жер Орта теңизиниң жағалары еди. Яҳуда урыўының тийрелери усы шегаралар менен қоршалған еди.
13Ешуа Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Яҳуда бөлегиндеги Кирят-Арба, яғный Хеброн қаласын Ефунне улы Калебке үлес етип берди. Арба – анақ халқының түп бабасы еди. 14Калеб анақлардың Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерин ол жерден қуўып жиберди. 15Ол сол жерден ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына қарсы жүрис қылды. 16Сонда Калеб:
– Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.
17Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди. 18Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп:
– Әкемнен бир атыз сора, – деди.
Калеб ешектен түсип атырған қызынан:
– Қандай тилегиң бар? – деп сорады.
19Қыз әкесине:
– Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.
20Тийре санына қарай, Яҳуда урыўы мына жерлерди үлес қылып алды:
21Яҳуда урыўының ең қублада, Эдом жериниң шегарасындағы қалалары төмендегилер еди: Қабсеел, Эдер, Ягур, 22Кина, Димона ҳәм Адада, 23Кедеш, Хасор, Итнан, 24Зиф, Телем, Беалот, 25Хасор-Хадатта, Керийот-Хесрон, яғный Хасор, 26Амам, Шема, Молада, 27Хасар-Гадда, Хешмон, Бейт-Пелет, 28Хасар-Шуал, Беер-Шеба, Бизийотия, 29Баала, Иййим, Эсем, 30Элтолад, Кесил, Хорма, 31Сиклаг, Мадманна, Сансанна, 32Лебаот, Шилхим, Айын ҳәм Риммон. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте жигирма тоғыз қала.
33Батыстағы таў етеклеринде: Эштаол, Сора, Ашна, 34Заноах, Эн-Ганним, Таппуах, Энам, 35Ярмут, Адуллам, Сохо, Азеқа, 36Шаарайым, Адитайым, Гедера ямаса Гедеротайым. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он төрт қала.
37Сенан, Хадаша, Мигдал-Гад, 38Дилан, Миспе, Йоқтеел, 39Лахиш, Босқат, Эглон, 40Каббон, Лахмас, Китлиш, 41Гедерот, Бейт-Дагон, Наама ҳәм Маккеда. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он алты қала. 42Либна, Этер, Ашан, 43Ифтах, Ашна, Несиб, 44Кеила, Ахзиб ҳәм Мареша. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте тоғыз қала.
45Қалалары ҳәм аўыллары менен бирликте Экрон, 46Экроннан Жер Орта теңизине шекемги Ашдодтың дөгерегиндеги барлық аўыллар,
47Ашдод пенен оның қалалары ҳәм аўыллары. Мысыр шегарасындағы сайға ҳәм Жер Орта теңизине дейин созылған Газа менен оның қалалары ҳәм аўыллары.
48Таўлы үлкеде Шамир, Яттир ҳәм Сохо, 49Данна, Кирят-Санна, яғный Дебир. 50Анаб, Эштемоа ҳәм Аним, 51Гошен, Холон ҳәм Гило. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он бир қала.
52Араб, Дума ҳәм Эшан, 53Янум, Бейт-Таппуах ҳәм Афека. 54Хумта, Кирят-Арба, яғный Хеброн ҳәм Сиор. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте тоғыз қала.
55Маон, Кармел, Зиф ҳәм Ютта. 56Изреел, Йоқдеам ҳәм Заноах. 57Каин, Гиба ҳәм Тимна. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он қала.
58Халхул, Бейт-Сур ҳәм Гедор. 59Маарат, Бейт-Анот ҳәм Элтеқон. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте алты қала.
60Кирят-Баал, яғный Кирят-Ярим ҳәм Рабба. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте еки қала.
61Шөлде Бейт-Араба, Миддин ҳәм Секака. 62Нибшан, Дуз қаласы ҳәм Эн-Гедий. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте алты қала.
63Яҳуда урыўы Ерусалимде жасаған ебуслыларды қуўып шығара алмады. Ебуслылар бүгин де Яҳуда урыўы менен бирге Ерусалимде жасамақта.

 

16

 

Эфрайым урыўына берилген жерлер

 

1Юсуп урпағының шегине түскен жерлердиң шегаралары Ерихо жанындағы Иордан дәрьясынан, Ерихоның шығысындағы суўлардан басланып, шөл арқалы Ериходан Бейт-Элдиң таўлы үлкесине қарай созылады. 2Кейин Бейт-Элден Лузға өтип, Арк тийресиниң жери болған Атаротқа қарай созылады. 3Шегара сол жерден батыстағы Яфлет урпағының жерлерине, төменде Бейт-Хорон үлкесине, ол жерден Гезерге түседи ҳәм Жер Орта теңизине келип таўысылады.
4Солай етип, Юсуптиң уллары Менашше ҳәм Эфрайым усы жерлерди үлес етип алды.
5Тийре санына қарай, Эфрайым урыўының үлесине тийген жерлердиң шегарасы шығыста Атрот-Аддардан жоқарыдағы Бейт-Хоронға қарай созылып, 6Жер Орта теңизине барады. Арқадағы Михметаттан Таанат-Шилоның шығысына қарай бурылып, қаланың шығысы бойлап, Яноахтың шығысына қарай созылады. 7Бул жерден Атарот ҳәм Наараға түседи, Ерихоға жетип, Иордан дәрьясына барып таўысылады. 8Таппуахтан батысқа қарай Қана сайына дейин созылып, Жер Орта теңизинде таўысылады. Тийре санына қарай, Эфрайым урыўының үлеси усы еди. 9Буннан тысқары, Менашше урыўына тийген үлес жердиң ишинде Эфрайым урыўына тийисли қалалар ҳәм олардың әтирапларындағы аўыллар бар еди.
10Деген менен, Эфрайым урыўы Гезерде жасаған кенаанлыларды қуўып шығармады. Кенаанлылар бүгинги күнге дейин Эфрайым урыўының арасында жасайды ҳәм олар ушын ерксиз хызметшиге айланған.

 

17

 

Менашше урыўына берилген жерлер

 

1Юсуптиң туңғыш улы Менашшениң урпақларына, Менашше урыўына берилген үлес жерлер мыналар еди: Гиладтың әкеси Махир Менашшениң туңғыш улы еди. Махир батыр әскер болғанлықтан, Гилад ҳәм Башан жери оныки болды. 2Менашшениң басқа уллары Абиезер, Хелек, Асриел, Шехем, Хефер ҳәм Шемиданың улларына да тийре санына қарай үлес берилди. Булар тийре көсемлери болып, Юсуптиң улы Менашшениң ер балалары еди.
3Менашшениң қуўлығы, Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехадтың ул баласы болмады. Оның тек Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса деген қызлары болды. 4Сол қызлар руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм басшыларға келип, оларға: «Ер туўысқанларымыз қатары бизлерге де үлес берилиўин Жаратқан Ийе Муўсаға буйырған еди», – деди. Сонда Ешуа Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларға да ер туўысқанлары қатары жерден үлес берди. 5Солай етип, Менашше урыўына Иордан дәрьясының шығысындағы Гилад ҳәм Башан жеринен басқа, және он жер үлес етип берилди. 6Өйткени Менашшениң қыз урпақлары да ер урпақлары қатары жерден үлес алған еди. Ал Гилад жери болса, Менашшениң басқа улларына берилди.
7Менашше урыўының жери Ашерден Шехемниң шығысындағы Михметатқа созылатуғын еди ҳәм шегарасы ол жерден қублаға бурылып, Эн-Таппуах халқының жерлерине дейин баратуғын еди. 8Таппуах қаласының әтирапындағы жерлер Менашше урыўына, ал оның шегарасындағы Таппуах қаласының өзи Эфрайым урыўына тийисли еди. 9Соңынан шегара Қана сайына түсип, сайдың қубласындағы Менашше урыўына тийисли қалалар арасындағы Эфрайым урыўына тийисли қалаларға дейин баратуғын еди. Менашше урыўының жер шегарасы сайдың арқа тәрепи бойынша созылып, Жер Орта теңизине барып тоқтайтуғын еди. 10Қубладағы жерлер Эфрайым урыўыники, ал арқадағы жерлер Менашше урыўыники болып, батыста Жер Орта теңизи, арқада Ашер, шығыста Иссахар урыўының жерлери менен шегараласатуғын еди.
11Иссахар ҳәм Ашер урыўларына тийисли жерлердеги Бейт-Шеан ҳәм оның аўыллары, Иблеам ҳәм оның аўыллары, Дор, яғный Нафат-Дор халқы ҳәм оның аўыллары, Эн-Дор халқы ҳәм оның аўыллары, Таанах халқы ҳәм оның аўыллары, Мегиддо халқы ҳәм оның аўыллары Менашше урыўына тийисли еди. 12Деген менен, Менашшениң урпақлары бул қалаларды қолға киргизе алмады. Себеби кенаанлылар сол жерлерде қалыўға қарар еткен еди. 13Израиллылар күшке толғанда, кенаанлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды толық қуўып шығармады.

 

Эфрайым ҳәм Менашше урыўларының үлкенирек жер сораўы

 

14Бир күни Юсуптиң урпақлары Ешуаға келип:
– Не ушын бизлерге тек бир мәрте шек таслап, бир үлес жер бердиң? Жаратқан Ийе бизлерди жарылқағанлықтан, бизлер жүдә көппиз, – деди.
15Ешуа оларға:
– Сизлер соншелли көп болсаңыз ҳәм сизлерге Эфрайымның таўлы үлкеси тарлық етип атырған болса, перизлер ҳәм рефалардың жерлериндеги тоғайларды шаўып, өзлериңизге жер ашып алыңлар, – деп жуўап берди.
16Юсуптиң урпақлары Ешуаға:
– Аўа, таўлы жерлер бизлерге жетпейди. Бирақ Бейт-Шеан менен оның аўылларында ҳәм Изреел ойпатлығында жасайтуғынлардың, яғный сол жерде жасайтуғын барлық кенаанлылардың темир арбалары бар-ғо, – деди.
17Ешуа Юсуптиң уллары Эфрайым менен Менашшениң урпақларына былай деди:
– Сизлер көп санлы ҳәм күшлисиз. Сизлер тек бир үлес пенен қалмайсызлар. 18Таўлы жерлер ҳәм ондағы тоғайлықлар да сизлердики болады. Сизлер тереклерди шаўып, тазаласаңлар, ол жерлер толығы менен сизлердики болады. Кенаанлылар күшли болса да, олардың темир арбалары болса да, сизлер оларды қуўып шығарасызлар.

 

18

 

Қалған жерлердиң бөлистирилиўи

 

1Елди қолға киргизгеннен соң, пүткил Израил жәмийети Шилода бир жерге топланды. Олар сол жерде Ушырасыў шатырын қурды. 2Деген менен, олардың арасында жерден елеге дейин өз үлесин алмаған жети урыў бар еди.
3Сонда Ешуа израиллыларға былай деди:
– Ата-бабаларыңыздың Қудайы, Жаратқан Ийениң сизлерге берген жерлерин қолға киргизиўди қашанға шекем кешиктиресизлер? 4Ҳәр урыўдан үш адамнан сайлап алыңлар. Мен оларды елди көзден өткизип келиў ушын жибережақпан. Олар үлес етип алатуғын жерлериниң шегараларын белгилейди ҳәм оларды сүўретлеп жазып, маған қайтып келеди. 5Олар бул жерлерди жети бөлекке бөлсин. Яҳуда урыўы қубла бөлектеги, Юсуп урыўы арқа бөлектеги өз жерлеринде қалсын. 6Жерди жети бөлекке бөлип, сүўретлеп жазғаныңыздан кейин, маған алып келиңлер. Мен бул жерде, Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында сизлер ушын шек таслайман. 7Лебийлилерге келсек, олардың сизлердиң араңызда үлеси жоқ. Олардың үлеси – Жаратқан Ийе ушын руўханийлик хызметин атқарыўдан ибарат. Ал Гад ҳәм Рубен урыўы менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде өзлериниң үлес жерлерин алған еди. Сол жерлерди оларға Жаратқан Ийениң қулы Муўса берген еди.
8Ешуа жерди сүўретлеп жазып келиў ушын жолға шықпақшы болған адамларға:
– Барып, жерлерди айланып шығып, сүўретлеп жазың да, соңынан жаныма қайтып келиңлер. Кейин мен бул жерде, Шилода, Жаратқан Ийениң алдында сизлер ушын шек таслайман, – деп буйырды.
9Солай етип, адамлар жолға атланып, елди айланып шықты. Олар елди қалама-қала жети бөлекке бөлген ҳалда китапқа сүўретлеп жазды да, Шилоға, ордада болған Ешуаға қайтып келди. 10Ешуа Шилода, Жаратқан Ийениң алдында олар ушын шек таслап, жерлерди Израил урыўлары арасында бөлистирди.

 

Бенямин урыўына берилген жерлер

 

11Тийре санына қарай, Бенямин урыўы ушын шек тасланды. Олардың шегине түскен жерлер Яҳуда урыўы менен Юсуп урыўының жерлери арасында еди. 12Олардың жериниң шегарасы арқада Иордан дәрьясынан басланып, Ерихоның арқа тәрепине көтерилетуғын, батыста таўлы үлкеге қарай созылып, Бейт-Аўен атлы елсиз далада тоқтайтуғын еди. 13Шегара ол жерден Луздың жанбаўырына, яғный Бейт-Элдиң қубла тәрепине өтип, Бейт-Хоронның қубласындағы таўдың қасындағы төменги Атрот-Аддараға түседи. 14Ол жерден шегара бурылып, Бейт-Хоронның қарсысында болған таўдың батыс тәрепи менен қублаға қарай созылады ҳәм Яҳуда урыўына тийисли болған Кирят-Баал, яғный Кирят-Ярим қаласында тоқтайды. Бул батыс шегарасы еди.
15Ал қубла шегарасы Кирят-Яримниң шетинен басланып, Нефтоах суў булағына дейин созылатуғын еди. 16Шегара бул жерден Рефаим ойпатлығының арқа тәрепиндеги Бен-Ҳинном ойпатлығына қараған таўдың етеклерине барып, Ҳинном ойпатлығы арқалы өтетуғын ҳәм Ебустың қубла тәрепине, ол жерден Рогел булағына түсетуғын еди. 17Арқаға бурылған шегара Эн-Шемеш ҳәм Адуммим бийиклигиниң қарсысындағы Гелилотқа барып, Рубенниң улы Боҳанның тасына түсетуғын еди. 18Соңынан Иордан тегислигиниң жанындағы қырдың арқа тәрепинен өтип, тегисликке түсетуғын еди. 19Ол жерден Бейт-Хогланың арқа етеклерине өтип, Өли теңиздиң арқа қолтығында, Иордан дәрьясының қубла қуяр қолтығында тоқтайтуғын еди. Бул қубла шегарасы еди. 20Шығыс шегарасы Иордан дәрьясы еди. Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлесине тийген жерлердиң шегаралары усылар еди.
21Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлесине тийген қалалар мыналар еди: Ерихо, Бейт-Хогла, Эмек-Кесис, 22Бейт-Араба, Семарайым, Бейт-Эл, 23Аўўим, Пара, Офра, 24Кефар-Аммоний, Офний, Геба. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он еки қала. 25Гибон, Рама, Беерот, 26Миспе, Кефира, Моса, 27Рекем, Ирпеел, Тарала, 28Села, Элеф, Ебус, яғный Ерусалим, Гибат ҳәм Кирят. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он төрт қала. Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлеси усы еди.

 

19

 

Шимон урыўына берилген жерлер

 

1Екинши шек Шимонға, тийре санына қарай, Шимон урыўына түсти. Олардың үлеси Яҳуда урыўының үлесине тийген жерлердиң ишинде еди. 2Оларға мына қалалар берилди: Беер-Шеба ямаса Шеба, Молада, 3Хасар-Шуал, Бала, Эсем, 4Элтолад, Бетул, Хорма, 5Сиклаг, Бейт-Маркабот, Хасар-Суса, 6Бейт-Лебаот, Шарухен. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он үш қала. 7Айын, Риммон, Этер ҳәм Ашан. Булар аўыллары менен бирликте төрт қала.
8Баалат-Беер, яғный Негебтеги Рамаға қарай созылған бул қалалардың әтирапындағы барлық аўыллар да Шимон урыўына тийисли еди. Тийре санына қарай, Шимон урыўына тийген үлес усы еди. 9Шимон урыўына берилген үлес Яҳуда урыўының үлесинен алынған еди. Өйткени Яҳуда урыўының үлеси керегинен артық еди. Солай етип, Шимон урыўының үлеси Яҳуда урыўына тийисли жердиң ишинде еди.

 

Зебулон урыўына берилген жерлер

 

10Тийре санына қарай, үшинши шек Зебулон урыўына түсти. Олардың жерлери Саридке шекем созылатуғын еди. 11Шегара сол жерден батысқа қарай, Маралаға дейин барып, Даббешетке жететуғын ҳәм Йоқнеам қарсысындағы сайға дейин созылатуғын еди. 12Соңынан Саридтан күншығысқа, Кислот-Табордың шегарасына барып, ол жерден Дабератқа тақалатуғын ҳәм Яфиаға шығатуғын еди. 13Шығыс шегарасы Яфиадан Гат-Хефер ҳәм Эт-Қасинге өтип, Риммонға дейин созылатуғын, кейин Неаға бурылатуғын еди. 14Ал арқа шегарасы бул жерден Ханнатонға бурылып, Ифтах-Эл ойпатлығына келип тоқтайтуғын еди. 15Бул шегара Қаттат, Наҳалал, Шимрон, Идала ҳәм Бейтлеҳемди өз ишине алады. Ҳәммеси болып, олар аўыллары менен бирликте он еки қала еди. 16Тийре санына қарай, Зебулон урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.

 

Иссахар урыўына берилген жерлер

 

17Төртинши шек Иссахарға, тийре санына қарай, Иссахар урыўына түсти. 18Олардың жер шегарасының ишине кирген қалалар: Изреел, Кесуллот, Шунем, 19Хафарайым, Шион, Анахарат, 20Раббит, Кишйон, Эбес, 21Ремет, Эн-Ганним, Эн-Хадда ҳәм Бейт-Пассес. 22Олардың шегарасы Табор, Шахасима ҳәм Бейт-Шемеш арқалы созылып, Иордан дәрьясына келип тоқтайтуғын еди. Ҳәммеси болып, олар аўыллары менен бирликте он алты қала еди. 23Тийре санына қарай, Иссахар урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.

 

Ашер урыўына берилген жерлер

 

24Тийре санына қарай, бесинши шек Ашер урыўына түсти. 25Олардың жер шегарасының ишине кирген қалалар: Хелқат, Халий, Бетен, Ахшаф, 26Алламмелех, Амад ҳәм Мишал болып, батыста Кармел ҳәм Шихор-Либнатқа дейин созылатуғын еди. 27Бул жерден шығысқа, Бейт-Дагонға қайтып, Зебулон шегарасы ҳәм Ифтах-Эл ойпатлығы бойынша созылатуғын, ал арқада Бейт-Эмек ҳәм Неиелге жалғасатуғын еди. Кейин Кабулдың арқа тәрепинен 28Эброн, Рехоб, Хаммон ҳәм Қанаға өтип, уллы Сидонға жететуғын еди. 29Усы жерден Рамаға қайтып, қорғанлы Тир қаласына қарай созылатуғын, кейин Хосаға бурылып, Ахзиб аймағында, Жер Орта теңизинде тамамланатуғын еди. 30Және де, Умма, Афек ҳәм Рехоб. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте жигирма еки қала. 31Тийре санына қарай, Ашер урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.

 

Нафталий урыўына берилген жерлер

 

32Алтыншы шек Нафталийге, тийре санына қарай, Нафталий урыўына түсти. 33Олардың шегарасы Хелеф ҳәм Саананнимдеги емен ағашынан басланып, Адамий-Некеб ҳәм Ябнеел арқалы Лаққумға қарай созылатуғын ҳәм Иордан дәрьясында тамамланатуғын еди. 34Шегара және Хелефтен басланып, батысқа қарай Азнот-Табордан өтетуғын ҳәм Хуқоққа жалғасатуғын еди. Қублада Зебулон жерлерине, батыста Ашер жерлерине, ал шығыста Иордан дәрьясына барып тирелетуғын еди.
35Олардың қорғанлы қалалары мыналар еди: Сиддим, Сер, Хаммат, Раққат, Киннерет, 36Адама, Рама, Хасор, 37Кедеш, Эдрей, Эн-Хасор, 38Ирон, Мигдал-Эл, Хорем, Бейт-Анат, Бейт-Шемеш. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он тоғыз қала. 39Тийре санына қарай, Нафталий урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.

 

Дан урыўына берилген жерлер

 

40Тийре санына қарай, жетинши шек Дан урыўына түсти. 41Олардың үлесине тийген жерлер мына қалаларды өз ишине алады: Сора, Эштаол, Ир-Шемеш, 42Шаалаббин, Айялон, Итла, 43Элон, Тимна, Экрон, 44Элтеке, Гиббетон, Баалат, 45Еҳуд, Бене-Берақ, Гат-Риммон, 46Ме-Ярқон ҳәм Яфоның қарсысындағы жерлер менен бирликте Раққон. 47Жерлеринен айырылып қалғанлықтан, Дан урыўы Лешемге ҳүжим жасады. Олар қаланы алып, пүткил халқын қылыштан өткизди де, сол жерге орналасып алды. Және де, бабасы Данның ҳүрметине сол жерди Дан деп атады. 48Тийре санына қарай, Дан урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.

 

Ешуаға тийген үлес

 

49Жерлерди шегаралап бөлистирип болғаннан соң, израиллылар өз жерлери ишинен Нун улы Ешуаға үлес берди. 50Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, олар Ешуаға өзи сораған қаланы, Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Тимнат-Серахты берди. Ешуа қаланы қайтадан салып, сол жерге орналасты.
51Руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларындағы тийре басшыларының Шилода, Жаратқан Ийениң алдында, Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында шек таслап бөлистирген үлес жерлери усылар еди. Солай етип, олар елди бөлистириў исин тамамлады.

 

20

 

Паналайтуғын қалалар

 

1Буннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
2– Муўса арқалы сизлерге буйырғанымдай, израиллыларға айт, олар өзлери паналайтуғын қалаларды таңласын. 3Егер биреў абайсызда адам өлтирип қойса, ол сол жерге қашып барсын. Сизлердиң өлген адамның өш алыўшы әменгеринен қашып паналайтуғын бир жериңиз болыўы керек.
4Бул қалалардың бирине қашқан адам қала дәрўазасының қасында турып, өзиниң аўҳалын қаланың ақсақалларына билдирсин. Ақсақаллар оны қаласына қабыл етип, оған жасайтуғын орын берсин. 5Адам өлтирген адамның изинен өш алыўшы әменгери қуўып келсе, қаланың басшылары оны өш алыўшы адамға тапсырып жибермесин. Себеби ол абайсызда адам өлтирди ҳәм онда өлтирген адамына деген алдын ала ҳеш қандай қаслық болмаған. 6Адам өлтирген адам қаладағы жәмийетшилик алдында ҳүким етилмегенше ҳәм сол ўақытта хызмет еткен бас руўханий өлгенге дейин, сол қалада қалыўы керек. Соңынан ол өзи қашып шыққан қаласына, өз үйине қайтсын.
7Солай етип, олар Нафталийдиң таўлы үлкесиндеги, яғный Галиладағы Кедешти, Эфрайымның таўлы үлкесинде болған Шехемди ҳәм Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Кирят-Арбаны, яғный Хебронды таңлады. 8Және де, Иордан дәрьясының арғы жағындағы, Ерихоның шығысындағы мына қалаларды таңлады: олар Рубен урыўына тийисли кеңисликтеги шөлде жайласқан Бесер қаласы, Гад урыўының жерлери ишиндеги Гиладтағы Рамот, Менашше урыўының жерлери ишиндеги Башандағы Голан еди. 9Бул қалалар израиллылар ҳәм олар арасында жасайтуғын келгинди адамлар ушын ажыратылды. Егер олардың биреўи абайсызда адам өлтирип қойса, өш алыўшы әменгердиң қолынан өлим көрмеў ушын, сол қалаларға қашып барады. Ол жәмийетшиликтиң алдында ҳүким етилмегенше, сол жерде қәўип-қәтерсиз болады.

 

21

 

Лебийлилерге берилген қалалар

 

1Лебий урыўының тийре басшылары руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшыларына барды. 2Олар Кенаан жериндеги Шилода еди. Сонда лебийлилер оларға:
– Жаратқан Ийе Муўса арқалы бизлерге жасаў ушын қалалар, малларымыз ушын қала әтирапындағы жайлаўлар берилиўин буйырған еди, – деди.
3Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, лебийлилерге өз үлеслеринен мына қалаларды ҳәм олардың әтирапындағы жайлаў жерлерди берди:
4Биринши шек Қоҳат тийрелерине түсти. Лебийли болған руўханий Харонның урпақларына шек бойынша Яҳуда, Шимон ҳәм Бенямин урыўларынан он үш қала берилди. 5Ал Қоҳаттың басқа урпақларына шек бойынша Эфрайым, Дан ҳәм Менашше урыўының ярымына тийисли болған тийрелерден алынған он қала берилди.
6Гершон урпақларына шек бойынша Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларына тийисли болған тийрелерден ҳәм Башандағы Менашше урыўының ярымынан алынған он үш қала берилди.
7Тийре санына қарай, Мерарий урпақларына Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала берилди.
8Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, израиллылар шек таслап, усы қалаларды жайлаўлары менен бирликте лебийлилерге берди.
9Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан алынған ҳәм төменде атлары аталатуғын қалалар 10лебийли Қоҳат тийрелеринен болған Харонның урпақларына берилди. Себеби биринши шек оларға түскен еди. 11Оларға Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Анақтың урпақларының түп бабасы болған Арбаның аты менен аталған Кирят-Арба, яғный Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди. 12Ал қаланың атызлары менен аўыллары болса, Ефунне улы Калебке мүлик етип берилген еди.
13Руўханий Харонның урпақларына абайсызда адам өлтиргенлер ушын паналайтуғын қалалар болған Хеброн, Либна, 14Яттир, Эштемоа, 15Холон, Дебир, 16Айын, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары менен олардың жайлаўлары, яғный Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан барлығы болып тоғыз қала берилди. 17Ал Бенямин урыўынан Гибон, Геба, 18Анатот ҳәм Алмон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
19Солай етип, Харон урпағынан шыққан руўханийлерге жайлаўлары менен бирликте берилген қалалардың саны барлығы болып он үшке жетти.
20Лебий урыўының Қоҳат тийрелериниң қалған адамларына Эфрайым урыўынан мына қалалар үлес етип берилди: 21Эфрайымның таўлы үлкесиндеги абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Шехем қаласы ҳәм Гезер, 22Кибсайым, Бейт-Хорон деген жайлаўлары менен бирликте төрт қала. 23Ал Дан урыўынан Элтеке, Гиббетон, 24Айялон ҳәм Гат-Риммон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 25Менашше урыўының ярымынан жайлаўлары менен бирликте Таанах ҳәм Гат-Риммон деген еки қала берилди. 26Солай етип, Қоҳаттың қалған урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он қала берилди.
27Лебий урыўынан болған Гершонның урпақларына Менашше урыўының ярымына тийисли болған еки қала: Башандағы абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Голан қаласы ҳәм Беештера қаласы жайлаўлары менен бирликте берилди. 28Иссахар урыўынан болса, жайлаўлары менен бирликте Кишйон, Даберат, 29Ярмут ҳәм Эн-Ганним деген төрт қала берилди. 30Ашер урыўынан жайлаўлары менен бирликте Мишал, Абдон, 31Хелқат ҳәм Рехоб деген төрт қала берилди. 32Нафталий урыўынан үш қала жайлаўлары менен бирликте берилди: олар Хаммот-Дор, Қартан ҳәм абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Галиладағы Кедеш қаласы. 33Тийре санына қарай, Гершонның урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он үш қала берилди.
34Қалған лебийлилерге, яғный Мерарийдиң урпақларының тийрелерине Зебулон урыўынан алынған Йоқнеам, Қарта, 35Димна ҳәм Наҳалал деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 36Рубен урыўынан алынған Бесер, Яҳаса, 37Кедемот ҳәм Мефаат деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 38Гад урыўынан Гиладтағы паналайтуғын Рамот қаласы ҳәм Маханайым, 39Хешбон ҳәм Язер қалалары барлығы болып төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 40Тийре санына қарай, лебийлилердиң қалған тийрелерине, яғный Мерарийдиң урпақларына үлес етип берилген қалалардың саны барлығы болып он еки еди.
41Израиллылардың жерлеринен лебийлилерге жайлаўлары менен бирликте барлығы болып қырқ сегиз қала берилди. 42Бул қалалардың ҳәммесиниң әтирапында жайлаўлары бар еди. Жайлаўсыз қала жоқ еди.
43Солай етип, Жаратқан Ийе ата-бабаларына бериўге ант ишкен барлық жерлерди израиллыларға берди. Израиллылар сол жерлерди ийелеп, мәкан басты. 44Жаратқан Ийе ата-бабаларына ант ишкениндей, оларды ҳәр тәреплеме тынышлыққа еристирди. Ҳеш бир душпаны оларға қарсы тура алмады. Жаратқан Ийе душпанларының ҳәммесин оларға тәслим етти. 45Жаратқан Ийениң Израил халқына берген ҳеш бир ийгиликли сөзи орынланбай қалмады, ҳәммеси иске асты.

 

22

 

Шығыстағы урыўлардың қайтыўы

 

1Буннан соң, Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жыйнады да, 2оларға былай деди:
– Сизлер Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның өзлериңизге буйырған ҳәр бир нәрсесин иследиңлер. Мениң ҳәмме буйрықларыма да бойсындыңлар. 3Соншама ўақыт даўамында, бүгинге дейин туўысқанларыңызды жалғыз таслап кетпедиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрығын орынладыңлар. 4Минекей, Қудайыңыз Жаратқан Ийе туўысқанларыңызға ўәде қылғанындай, оларды тынышлыққа еристирди. Енди Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының арғы жағасында сизлерге мүлик қылып берген жерлердеги үйлериңизге қайтыңлар. 5Бирақ Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның сизлерге берген буйрықларын ҳәм Нызамын муқыятлы түрде орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер, Оның жолы менен жүрип, буйрықларын орынлаңлар. Оған садық болыңлар, Оған шын жүрек ҳәм шын кеўлиңизден хызмет етиңлер.
6Соңынан Ешуа оларға ақ пәтиясын берип, жолға атландырды. Солай етип, олар үйлерине қайтып кетти.
7Муўса Менашше урыўының ярымына Башанда жер берген еди. Ешуа болса, Менашше урыўының қалған ярымына Иордан дәрьясының батысынан, басқа туўысқанлары арасынан жер берди.
Ешуа оларды үйлерине қайтарып атырып, оларға ақ пәтиясын берип:
8– Үйлериңизге үлкен байлық пенен, жүдә көп мал, гүмис, алтын, мыс, темир ҳәм жүдә көп кийим-кеншек пенен қайтып баратырсызлар. Душпанларыңыздан олжа қылып алған нәрселериңизди туўысқанларыңыз бенен бөлисиңлер, – деди.
9Солай етип, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан жериндеги Шилодан, израиллылардың жанынан кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, Муўса арқалы өзлери мүлик етип алған Гилад жерине қайтыў ушын жолға шықты.
10Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясына жақын орналасқан Кенаан жериндеги аймаққа келгенде, дәрьяның жағасында көриниси үлкен болған қурбанлық орнын қурды. 11Израил халқына: «Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Кенаан елиниң шегарасында, Иордан дәрьясының жағасында, израиллыларға тийисли жерде бир қурбанлық орнын қурды», – деген хабар жетти. 12Израил халқы бул хабарды еситкенде, оларға қарсы урысыў ушын пүткил жәмийет Шилоға жыйналды.
13Сонда израиллылар руўханий Элазардың улы Пинехасты Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жиберди. 14Оның менен бирге Израил урыўларынан он көсем кетти. Бул көсемлердиң ҳәр бири Израил тийрелериниң ишиндеги өз қәўимлерине басшы еди. 15Олар Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына келип былай деди:
16– Жаратқан Ийениң пүткил жәмийети былай дейди: «Сизлер неге Израилдың Қудайына қыянет еттиңлер? Неге бүгин сизлер өзлериңиз ушын қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеден ўаз кештиңлер ҳәм Оған қарсы бас көтердиңлер? 17Бизлерге Пеор таўындағы гүнамыз аз ба еди? Жаратқан Ийениң жәмийети сол гүна себепли бәлеге жолыққан еди. Бизлер усы күнге дейин өзлеримизди бул гүнадан тазалай алмадық. 18Сизлер бүгин Жаратқан Ийеден ўаз кештиңиз! Егер сизлер бүгин Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтерсеңиз, Ол да ертең пүткил Израил жәмийетине ғәзепленеди. 19Егер сизлерге тийисли жерлер ҳадал болмаса, Жаратқан Ийениң шатыры турған Оған тийисли жерге келип, арамыздағы жерден үлес алыңлар. Өзлериңизге Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнынан басқа бир қурбанлық орнын қурып, Жаратқан Ийеге ҳәм бизлерге қарсы қозғалаң көтермеңлер. 20Зерах улы Ахан бағышланған олжадан алып, қыянет еткенде, пүткил Израил жәмийети ғәзепке ушырамады ма? Аханның гүнасы ушын тек оның өзи ғана өлимге дуўшар болмады-ғо!»
21Сонда Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Израилдың тийре басшыларына былай деп жуўап берди:
22– Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Ол булардың барлығын биледи ҳәм Израил да билип қойсын: егер бизлер ислеген исимизди Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериў ямаса Оған қыянет ислеў мақсетинде ислеген болсақ, онда бүгин Жаратқан Ийе бизлерди аямасын! 23Егер бизлер қурбанлық орынды Жаратқан Ийеден ўаз кешиў ушын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ямаса татыўлық қурбанлықларын бериў ушын қурған болсақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерди жазаласын. 24Бизлер бул исти мынадан тәшиўишленгенимиз себепли ислеген едик: келешекте сизлердиң урпақларыңыз бизлердиң урпақларымызға: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен сизлердиң қандай байланысыңыз бар? 25Ҳәй, Рубен ҳәм Гад урпақлары! Жаратқан Ийе сизлер менен бизлердиң арамызға Иордан дәрьясын шегара қылып қойған. Сизлердиң Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп бизлердиң урпақларымыздың Жаратқан Ийеден қорқып жасаўына тосқынлық жасаўы мүмкин. 26Сонлықтан бизлер өзлеримиз ушын қурбанлық орнын қурыўды шештик. Буны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар ушын емес, 27ал тек сизлер менен бизлердиң арамызда ҳәм келешек әўладлар арасында гүўалық болыўы ушын иследик. Солай етип, бизлер де Жаратқан Ийениң алдында жандырылатуғын қурбанлықларымыз, татыўлық қурбанлықларымыз ҳәм басқа қурбанлықларымыз бенен Оған сыйынажақпыз. Сонда сизлердиң урпақларыңыз келешекте бизлердиң урпақларымызға: «Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп айта алмайды. 28Солай етип, бизлер былай ойладық: келешекте бизлерге ямаса болажақ урпақларымызға усылай десе, бизлер: «Ата-бабаларымыздың Жаратқан Ийеге арнап қурған қурбанлық орнының нусқасына қараңлар. Бул орын жандырылатуғын ямаса басқа қурбанлықлар ушын емес, ал бизлер менен сизлердиң араңызда гүўалық болыў ушын қурылған», – деймиз. 29Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериўден, бүгин Оннан ўаз кешиўден, жандырылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ямаса басқа қурбанлықлар бериў ушын Қудайымыз Жаратқан Ийениң шатырының алдында турған қурбанлық орнынан басқа биреўин қурыўдан аўлақпыз.
30Руўханий Пинехас ҳәм оның менен бирге болған жәмийет басшылары, яғный Израилдың тийре басшылары Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымының айтқан сөзлерин еситкенде кеўиллери толды. 31Сонлықтан руўханий Элазардың улы Пинехас Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына:
– Енди Жаратқан Ийениң арамызда екенин билемиз. Себеби сизлер Оған қыянет етпедиңиз ҳәм израиллыларды Оның жазасынан қутқардыңыз, – деди.
32Руўханий Элазардың улы Пинехас ҳәм басшылар Рубен ҳәм Гад урыўлары жасайтуғын Гилад жеринен Кенаан жерине, израиллыларға қайтып келип, не болғанын айтып берди. 33Израиллылар бул хабарға кеўли толып, Қудайға алғыслар айтты. Олар Рубен ҳәм Гад урыўларына қарсы урыс ашыў ҳәм олардың жасайтуғын жерлерин ўайран етиў ҳаққында қайтып аўыз ашпады. 34Рубен ҳәм Гад урыўлары: «Бул қурбанлық орны – бизлердиң арамызда Жаратқан Ийениң Қудай екенине гүўа» деп, орынды «Гүўа» деп атады.

 

23

 

Ешуаның хошласыў сөзлери

 

1Жаратқан Ийе Израилды әтирапындағы барлық душпанларынан қутқарып тынышлыққа еристиргеннен соң, көп жыллар өтти. Ешуа болса қартайып, бираз жасқа барып қалған еди. 2Сонда ол пүткил Израил халқын, олардың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақырып алып, оларға былай деди:
– Мен қартайып, бираз жасқа барып қалдым. 3Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер ушын бул барлық халықларға нелер ислегенин көрдиңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер ушын урысты. 4Минекей, мен Иордан дәрьясынан баслап, күн батар тәрептеги Жер Орта теңизине дейин жасаған барлық халықларды жоқ етип, олардың жерлерин де, еле жоқ қылынбаған халықлардың жерлерин де шек бойынша сизлердиң урыўларыңызға бөлип бердим. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды қуўып шығарып, алдыңыздан шегиндиреди ҳәм Өзи сизлерге ўәде еткениндей, сизлер олардың жерлерин ийелейсизлер. 6Сонлықтан сизлер Муўсаның Нызам китабында жазылған ҳәр бир нәрсени орынлаў ушын жүдә күшли болыңлар. Жазылғанлардан я оңға, я солға аўып кетпеңлер. 7Араңызда қалған халықлар менен ҳеш қандай қарым-қатнас жасамаңлар. Олардың қудайларының атларын тилге алмаңлар ҳәм олардың атлары менен ант ишпеңлер. Сол қудайларға хызмет етпеңлер ҳәм табынбаңлар. 8Бүгинги күнге дейин ислеп келгениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалыңлар. 9Себеби Жаратқан Ийе уллы ҳәм күшли халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарды. Бүгинги күнге дейин ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмады. 10Сизлердиң араңыздағы биреўиңиз мың адамды қуўып шығарады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң ўәде еткениндей, Оның Өзи сизлер ушын урысады. 11Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўде жүдә муқыятлы болыңлар. 12Ал егер сизлер Оннан жүз бурып, араңыздағы қалған сол халықлар менен аралассаңыз, олар менен қыз алысып, қыз берисетуғын болсаңыз, қарым-қатнас жасасаңыз, 13онда билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды енди алдыңыздан қуўып шығармайды. Оның сизлерге берген усы жақсы жеринен жоқ болынғаныңызша, бул халықлар сизлер ушын дузақ, қақпан, арқаңызға қамшы ҳәм көзлериңизге тикен болады.
14Минекей, мениң де бул дүньядан өтетуғын ўақтым келди. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген ҳеш бир жақсы ўәделериниң босқа шықпағанын сизлер пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил кеўлиңиз бенен билесизлер. Олардың ҳәммеси орынланды, ҳеш бири орынланбай қалмады. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәделериниң ҳәммесин қалай орынлаған болса, Ол Өзи берген усы жақсы жерден сизлерди жоқ етпегенше, айтқан барлық жаманлықларын да солай басыңызға салады. 16Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге орынлаң деп буйырған келисимин бузсаңыз ҳәм барып, басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, Жаратқан Ийениң сизлерге ғәзеби тутанады. Сонда сизлер Ол берген бул жақсы жерден тез арада қырылып кетесизлер.

 

24

 

Шехемде жаңаланған келисим

 

1Ешуа пүткил Израил урыўларын Шехемге топлап, Израилдың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақыртты. Олардың ҳәммеси келип, Қудайдың алдында турды. 2Сонда Ешуа пүткил халыққа былай деди:
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң ата-бабаларыңыз ески заманларда Евфрат дәрьясының арғы жағасында жасап, басқа қудайларға хызмет ететуғын еди. Олардың бири Ибрайым менен Нахордың әкеси Терах еди. 3Бирақ Мен бабаңыз Ибрайымды дәрьяның арғы жағынан алып, пүткил Кенаан жерлери бойлап алып жүрдим. Оның урпақларын көбейтип, оған Ысақты бердим. 4Ал Ысаққа болса, Яқып пенен Эсаўды бердим. Эсаўға таўлы Сеир үлкесин мүлик етип бердим. Яқып ҳәм оның уллары Мысырға кетти. 5Кейин Мен Муўса менен Харонды тайынлап, Мысыр халқының басына бәлелер жаўдырдым ҳәм сизлерди Мысырдан алып шықтым. 6Аўа, Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шықтым. Олар Қамыс теңизине жетип келгенде, мысырлылар саўаш арбалары ҳәм атлылары менен ата-бабаларыңыздың изинен теңизге дейин қуўып барды. 7Ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге, Маған жалбарынып, жәрдем сорағанда, Мен олар менен мысырлылар арасына қараңғылық түсирдим. Мысырлылардың үстине теңиз суўларын бастырып, оларды шөктирдим. Сизлер Мениң Мысырда не ислегенимди өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Сизлер шөлде узақ ўақыт жасадыңыз.
8Соңынан Мен сизлерди Иордан дәрьясының арғы жағасында жасаған аморлардың жерине әкелдим. Олар сизлерге қарсы урысқанда, Мен оларды сизлерге тәслим еттим. Сизлер олардың жерлерин ийеледиңиз. Мен оларды сизлердиң алдыңыздан жоқ қылдым. 9Моаб патшасы Сиппор улы Балақ Израилға қарсы урысқа шықты ҳәм хабар жиберип, Беор улы Биламды сизлерди нәлетлеў ушын шақыртты. 10Бирақ Мен Биламға қулақ салыўды мақул көрмедим. Сонлықтан ол сизлерге пәтиясын бериўге мәжбүр болды. Солай етип, Мен сизлерди оның қолынан қутқардым. 11Соңынан сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Ерихоға келдиңиз. Мен сизлерге қарсы урысқан ерихолыларды, және де амор, периз, кенаан, хетт, гиргаш, хиў ҳәм ебус халықларын сизлерге тәслим еттим. 12Мен сизлерден алдын ешек ҳәрре[7] жиберип, аморлардың еки патшасын алдыңыздан қуўдым. Бул ис сизлердиң қылышыңыз ямаса оқ жайыңыз жәрдеминде исленбеди. 13Солай етип, Мен сизлерге өзлериңиз мийнет етпеген жерди ҳәм өзлериңиз салмаған қалаларды бердим. Сизлер бул жерлерде жасап, өзлериңиз отырғызбаған жүзим ҳәм зәйтүн бағларының мийўелерин жеп атырсызлар».
14Ешуа даўам етип былай деди:
– Сонлықтан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған шын жүректен ҳәм садықлық пенен хызмет етиңлер. Евфрат дәрьясының арғы жағасында ҳәм Мысырда ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларын таслап, Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер. 15Егер Жаратқан Ийеге хызмет еткиңиз келмесе, онда Евфрат дәрьясының арғы жағасында ата-бабаларыңыздың хызмет еткен қудайларына ямаса өзлериңиз елинде жасап атырған аморлардың қудайларына хызмет еткиңиз келе ме? Бүгин усыны шешип алыңлар. Ал мен ҳәм мениң хожалығым Жаратқан Ийеге хызмет етемиз.
16Халық жуўап берип былай деди:
– Жаратқан Ийени таслап, басқа қудайларға хызмет етиўден аўлақ болғаймыз! 17Себеби бизлерди ҳәм ата-бабаларымызды Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан, көз алдымызда уллы кәраматлар ислеп, пүткил жолымызда ҳәм халықлар арасынан өткенимизде бизлерди сақлаған Қудайымыз – Жаратқан Ийениң Өзи болады. 18Ол бул елде жасаған барлық халықларды ҳәм аморларды алдымыздан қуўып жиберди. Сонлықтан бизлер де Оған хызмет етемиз. Өйткени Ол – бизлердиң Қудайымыз.
19Сонда Ешуа халыққа былай деди:
– Бирақ сизлер Жаратқан Ийеге хызмет ете алмайсызлар. Өйткени Ол мухаддес ҳәм қызғаншақ Қудай. Ол сизлердиң жынаятларыңызға ҳәм гүналарыңызға сабыр етпейди. 20Егер сизлер Жаратқан Ийени таслап, жат қудайларға хызмет етсеңиз, Өзи бурын сизлерге жақсылық қылған болса да, енди Ол сизлерден жүз бурады ҳәм сизлерди бәлеге жолықтырып, жоқ етеди.
21Халық Ешуаға:
– Яқ! Бизлер Жаратқан Ийеге хызмет етемиз, – деп жуўап берди.
22Сонда Ешуа халыққа:
– Жаратқан Ийеге хызмет етемиз деп, таңлағаныңызға өзлериңиз гүўасызлар, – деди.
– Аўа, өзлеримиз гүўамыз, – деп жуўап берди халық.
23Ешуа оларға:
– Олай болса, енди өзлериңиздеги жат қудайларды таслаңлар. Жүреклериңизди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бериңлер, – деди.
24Халық Ешуаға:
– Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге хызмет етип, Оның сөзин тыңлаймыз, – деп жуўап берди.
25Ешуа сол күни Шехемде халық ушын бир миннетлеме алды. Оларға қағыйдалар ҳәм нызамлар берди. 26Ешуа бул сөзлерди Қудайдың Нызам китабына да жазып қойды. Кейин бир үлкен тас алып, оны сол жерге, Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканы жанындағы емен ағашының астына орнатты. 27Соң Ешуа пүткил халыққа:
– Минекей, бул тас бизлерге гүўа болсын. Себеби ол Жаратқан Ийениң бизлерге айтқан барлық сөзлерин еситти. Қудайға берген ўәдемизде турмасақ, бул тас бизлерге қарсы гүўа болады, – деди.

 

Ешуаның өлими

 

28Буннан соң, Ешуа халықтың барлығын мүлик етип алған өз жерлерине жиберди.
29Усы ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды. 30Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзине үлес етип берилген Тимнат-Серахқа жерледи. 31Ешуаның тири ўақтында ҳәм Ешуадан кейин жасап, Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген барлық ислерин билген ақсақаллардың тири ўақтында Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти.
32Израил халқы Мысырдан кетип баратырып, Юсуптиң сүйегин де өзлери менен бирге алып кеткен еди. Олар оны Яқыптың Шехемдеги атызына жерледи. Яқып бул атызды Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз теңгеге сатып алған еди. Сол жер Юсуптиң урпақларының мүлки болды.
33Харонның улы Элазар да қайтыс болды. Ол Эфрайымның таўлы үлкесине, улы Пинехасқа берилген Гиба қаласына жерленди.

 

 

 

Бийлер

1

 

Израиллылардың аман қалған кенаанлылар менен урысыўы

 

1Ешуаның өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийеден: «Кенаанлылар менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады.
2Жаратқан Ийе оларға: «Яҳуда урыўы барады, Кенаан үлкесин оған тәслим қыламан», – деп жуўап берди.
3Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўына: «Кенаанлылар менен урысыў ушын, бизлердиң пайымызға тийген жерге бизлер менен бирге барың. Соңынан бизлер де сизлердиң пайыңызға тийген жерге сизлер менен бирге барамыз», – деди. Солай етип, Шимон урыўы Яҳуда урыўы менен бирге кетти.
4Яҳуда урыўы урысқа шықты ҳәм Жаратқан Ийе кенаанлылар менен перизлерди оларға тәслим қылды. Яҳуда урыўы Безекте олардан он мың адамды өлтирди. 5Сол жерде олар Адоний-Безек пенен ушырасып, оның менен урысты ҳәм кенаанлылар менен перизлерди жеңилиске ушыратты. 6Адоний-Безек қашып кетти, бирақ олар оны қуўып жетип, услап алды да, қол ҳәм аяқларының бас бармақларын кесип таслады. 7Сонда Адоний-Безек: «Қол ҳәм аяқларының бас бармақлары кесилген жетпис патша мениң дастурханымнан түскен усақларды терип жеген еди. Енди болса, мениң оларға ислегенлеримди Қудай алдыма келтирди», – деди.
Олар Адоний-Безекти Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде өлди.
8Яҳуда урыўы Ерусалимге ҳүжим жасап, қаланы басып алды ҳәм халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди. 9Соннан кейин, олар таўлы үлкеде, Негебте ҳәм батыстағы таў етеклеринде жасайтуғын кенаанлылар менен урысыў ушын жолға түсти. 10Ески аты Кирят-Арба болған Хебронда жасайтуғын кенаанлыларға қарсы атланыс жасап, Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерди жеңип шықты. 11Ол жерден олар ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына да қарсы урыс ашты. 12Сонда Калеб:
– Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.
13Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди. 14Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп:
– Әкемнен бир атыз сора, – деди.
Калеб ешектен түсип атырған қызынан:
– Қандай тилегиң бар? – деп сорады.
15Қыз әкесине:
– Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.
16Муўсаның қәйин атасының урпақлары болған кенлер Яҳуда урыўы менен бирге Пальма қаласынан[1] шығып, Арадтың қубласындағы Яҳудия шөлинде жасаўға кетти ҳәм сол жердеги халықлар арасына орналасты.
17Соннан кейин, Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўы менен бирге барып, Сефат қаласында жасап атырған кенаанлыларды қыйратты ҳәм олардың қаласын толығы менен жоқ етти. Солай етип, ол жер Хорма деп аталды. 18Яҳуда урыўы Газаны, Ашкелонды, Экронды ҳәм оларға тийисли жерлерди де басып алды.
19Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады. 20Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды. 21Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр.
22Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди. 23Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде, 24олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар:
– Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди. 25Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди. 26Сол адам хеттлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.
27Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби кенаанлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти. 28Израиллылар күшке толысқан ўақтында, кенаанлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди.
29Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын кенаанлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм кенаанлылар Гезерде олардың арасында жасады.
30Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
31Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады. 32Олар сол жерлердеги кенаанлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады.
33Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған кенаанлылар менен бирге жасады ҳәм кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
34Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды. 35Аморлар Ҳар-Хересде, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуп урыўы күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
36Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.

 

2

 

Жаратқан Ийениң периштеси Бохимде

 

1Жаратқан Ийениң периштеси Гилгалдан Бохимге келип, израиллыларға былай деди:
– Сизлерди Мысырдан шығарып, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерге алып келдим. Мен сизлерге: «Сизлер менен дүзген келисимимди ҳеш қашан бузбайман. 2Ал сизлер бул жерлерде жасап атырғанлар менен келисим дүзбеңлер ҳәм олардың қурбанлық орынларын қыйратып таслаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар. Не ушын бундай иследиңлер? 3Және де, Мен сизлерге: «Бул халықларды сизлердиң араңыздан қуўып шығармайман. Олардың өзлери сизлерге душпан, ал қудайлары дузақ болады», – деп айтқан едим.
4Жаратқан Ийениң периштеси усы сөзлерди айтқанда, пүткил Израил халқы дад салып жылай баслады. 5Сонлықтан олар сол жерди Бохим деп атады ҳәм сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.

 

Ешуаның өлими

 

6Ешуа халықты тарқатып жибергеннен соң, олардың ҳәр қайсысы өз пайына тийген жерлерди ийелеп алыў ушын жолға шықты. 7Ешуаның тири ўақтында ҳәм Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген уллы ислерин көрип, Ешуадан кейин өмир сүрген ақсақаллар дәўиринде, Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти. 8Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды. 9Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзиниң пайына тийген Тимнат-Херес деген жерге жерледи.

 

Израиллылардың Жаратқан Ийеден узақласыўы

 

10Бул әўладтан болғанлардың ҳәммеси өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, Жаратқан Ийени танымайтуғын ҳәм Оның Израил халқы ушын ислеген ислерин билмейтуғын басқа бир әўлад өсип жетисти. 11Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Баалларға[2] табына баслады. 12Олар өзлерин Мысырдан алып шыққан ата-бабаларының Қудайы, Жаратқан Ийеден жүз бурып, әтираптағы халықлардың қудайларына аўып кетти ҳәм оларға табынды. Бул Жаратқан Ийениң қәҳәрин келтирди. 13Өйткени олар Жаратқан Ийеден жүз бурып, Баал ҳәм Аштарта бутларына табына баслаған еди.
14Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израил халқына ғәзеби қайнап, оларды мүликлерин тонайтуғын басқыншылардың қолына тапсырды. Жаратқан Ийе оларды әтираптағы душпанларға тәслим етти. Солай етип, артық олар душпанларына қарсы тура алмады. 15Жаратқан Ийениң айтқанындай ҳәм ант ишкениндей, Израил халқы ҳәр сапар саўашқа түскенде, Жаратқан Ийениң Өзи оларға қарсы болды ҳәм олар аўыр аўҳалда қалды.
16Сонда Жаратқан Ийе оларды тонаўшылардың қолынан қутқаратуғын бийлерди жиберди. 17Бирақ олар бийлерди де тыңламады ҳәм Жаратқан Ийеге опасызлық етип, басқа қудайларға табынып кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрықларын орынлаған ата-бабалары сыяқлы болмай, ата-бабалары жүрген жолдан тез азғырылды. 18Жаратқан Ийе олар ушын бир бий таңлап шығарғанда, Ол сол бий менен бирге болды ҳәм сол бий жасаған ўақытта оларды душпанларының қолынан қутқаратуғын еди. Себеби олар езиўшилик ҳәм зулым астында нала шеккенде, Жаратқан Ийениң оларға реҳими келетуғын еди. 19Деген менен, бийлер өлиўден-ақ, олар ата-бабаларынан да бетер болып, және басқа қудайлардың изине еретуғын, оларға хызмет етип, табынатуғын еди. Олар ислеген жаман ис-ҳәрекетлеринен ҳәм қайсарлықтан ўаз кешпеди.
20Солай етип, Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, былай деди: «Бул халық Мениң ата-бабаларына орынлаң деп буйырған келисимимди бузып, сөзиме қулақ салмады. 21Сонлықтан енди Мен де Ешуа өлгенде, усы жерлерде қалған халықлардың ҳеш бирин олардың алдынан қуўып шығармайман. 22Ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң жолынан жүретуғынын ямаса жүрмейтуғынын көриў ушын, оларды усы миллетлер арқалы сынайман».
23Солай етип, Жаратқан Ийе сол миллетлерди дәрҳал қуўып шығармаған ҳәм оларды Ешуаға тәслим еттирмей, елде қалыўға рухсат берген еди.

 

3

 

1-2Кенаандағы урыслардың ҳеш бирине қатнаспаған барлық израиллыларды сынаў ушын ҳәм ҳеш саўаш тәжирийбеси болмаған жаңа әўладлардың саўаш тәлимин үйрениўи ушын, Жаратқан Ийе қалдырған миллетлер мыналар еди: 3филист халқының бес ҳүкимдары, барлық кенаанлылар, сидонлылар ҳәм Баал-Хермон таўынан Лебо-Хаматқа дейин созылған Лебанон таўларында жасайтуғын хиўлер. 4Жаратқан Ийе Израил халқын сынаў ушын ҳәм Муўса арқалы ата-бабаларына берген буйрықларын олардың орынлайтуғынын ямаса орынламайтуғынын көриў ушын, бул миллетлерди олардың елинде қалдырған еди.
5Солай етип, израиллылар кенаан, хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының арасында жасады. 6Олар менен қыз алысып, қыз беристи ҳәм олардың қудайларына табынды.

 

Отниел

 

7Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Олар Қудайы Жаратқан Ийени умытып, Баал ҳәм Ашера бутларына табынды. 8Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израилға қәҳәри келип, оларды Арам-Наҳарайым патшасы Кушан-Ришатайымға тәслим қылды. Олар сегиз жыл Кушан-Ришатайымның қол астында болды. 9Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе оларға бир қутқарыўшы жиберди. Оларды қутқарған Калебтиң кишкене иниси Кеназдың улы Отниел еди. 10Жаратқан Ийениң Руўхы Отниелдиң үстине түсип, ол Израилды басқарды. Отниел урысқа шыққанда, Жаратқан Ийе Арам патшасы Кушан-Ришатайымды оған тәслим қылды ҳәм Отниел Кушан-Ришатайымнан үстин келди. 11Солай етип, ел Кеназ улы Отниелдиң өлимине дейин қырқ жыл тынышлықта жасады.

 

Эҳуд

 

12Соннан кейин, израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Соның ушын Жаратқан Ийе Моаб патшасы Эглонды израиллыларға қарсы туратуғындай етип күшке толтырды. 13Патша Эглон аммон ҳәм амалек халықларын өзине бириктирип алып, Израилға ҳүжим жасады. Олар Израилды жеңилиске ушыратып, Пальма қаласын басып алды. 14Солай етип, израиллылар он сегиз жыл Моаб патшасы Эглонның қол астында қалды.
15Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе олар ушын Эҳуд атлы бир қутқарыўшыны жиберди. Бенямин урыўынан болған Гераның улы Эҳуд солақай еди. Бир күни израиллылар Эҳуд арқалы Моаб патшасы Эглонға салықларын жиберди. 16Эҳуд өзине узынлығы еки қарыс келетуғын, еки жүзи бар бир қанжар ислеп алды ҳәм қанжарды кийиминиң астына, оң санына байлап қойды. 17Эҳуд салықты Моаб патшасы Эглонға апарып берди. Эглон жүдә семиз адам еди. 18Эҳуд салықты бергеннен соң, салықты көтерип апарған адамларды қайтарып жиберди. 19Ал өзи болса, Гилгалдың қасындағы тас бутлардың жанынан кейнине қайтып келди де, патшаға:
– О, патша, мениң сизге айтатуғын бир сырым бар, – деди.
Патша оған:
– Үндеме, – деди де, қасындағы адамлардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди.
20Эҳуд жоқарыдағы салқын бөлмесинде жалғыз қалған патшаға жақынлап, оған:
– Сизге Қудайдан бир хабар алып келдим, – дегенде, патша тахтынан турды. 21Эҳуд шеп қолы менен оң санындағы қанжарды алды да, патшаның қарнына тықты. 22Қанжар патшаның қарнына сабы менен қосыла кирип кетти. Эҳуд қанжарды суўырып алмағанлықтан, қанжар патшаның майлы қарнында қалып қойды. 23Эҳуд айўанға шықты да, жоқарыдағы бөлмениң қапыларын жаўып, қулыплап кетти. 24Ол шығып кеткеннен кейин, патшаның хызметшилери келип, жоқарыдағы бөлмениң қапысының илик турғанын көрди де, бир-бирине: «Патшамыз салқын бөлмеде дәрет сындырып атырған шығар», – дести. 25Олар көп ўақыт күтсе де, патша бөлмениң қапысын ашпады. Сонлықтан олар гилтти алып, қапыны ашып қараса, мырзасының өлиги жерде жатыр екен.
26Олар патшаны күтип турғанда, Эҳуд тас бутлардың жанынан өтип, Сеираға қашып кетти. 27Эҳуд сол жерге жетип барды да, Эфрайымның таўлы үлкесине шығып, кәрнай шертти. Израиллылар оның менен бирге таўлардан төменге түсти. Эҳуд олардың алдында жол баслап жүрди. 28Эҳуд оларға:
– Изимнен жүриңлер, себеби Жаратқан Ийе душпаныңыз болған моаблыларды сизлерге тәслим етти, – деди. Эҳудтың изинен киятырған израиллылар Моабқа өтетуғын Иордан өткеллерин ийелеп, ҳеш кимди өткермеди.
29Олар моаблылардың он мыңға шамалас қарыўлы ҳәм күшли адамын өлтирди. Моаблылардың ҳеш бири аман қалмады. 30Сол күни моаблылар израиллылардың қол астына өтти. Ел сексен жыл парахатшылықта жасады.

 

Шамгар

 

31Эҳудтан соң, Анат улы Шамгар бий болды. Шамгар филистлердиң алты жүз адамын өгиз айдайтуғын таяқ пенен өлтирип, ол да израиллыларды қутқарды.

 

4

 

Дебора ҳәм Барақ

 

1Эҳудтың өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. 2Сонлықтан да Жаратқан Ийе израиллыларды Хасорда ҳүкимдарлық етип атырған кенаанлы патша Ябинге тәслим қылды. Ябинниң Сисера деген бир сәркәрдасы болып, ол Харошет-Гойымда жасайтуғын еди. 3Ябинниң тоғыз жүз темир саўаш арбасы бар еди. Ол израиллыларды жигирма жыл аяўсыз езгенликтен, израиллылар Жаратқан Ийеге нала шекти.
4Сол ўақытлары пайғамбар ҳаял, Лаппидоттың ҳаялы Дебора израиллыларға бийлик қылатуғын еди. 5Дебора Эфрайымның таўлы үлкесинде, Рама менен Бейт-Эл арасындағы пальма ағашының астында отырып, алдына келген израиллылардың даўларын шешетуғын еди. 6Бир күни Дебора Абиноам улы Барақты Кедеш-Нафталийден шақыртып алып, оған:
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе қасыңа Нафталий ҳәм Зебулон урыўларынан он мың адамды алып, Табор таўына барыўыңды буйырады. 7Ол патша Ябинниң сәркәрдасы Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Кишон сайына, сениң алдыңа апарып, саған тәслим қылады, – деди.
8Барақ Дебораға:
– Егер мениң менен бирге барсаң, бараман. Ал бирге бармасаң, бармайман, – деди.
9Дебора:
– Әлбетте, сениң менен бирге бараман, бирақ сен тутқан бул жол өзиңе даңқ алып келмейди. Себеби Жаратқан Ийе Сисераны бир ҳаялға тәслим етежақ, – деди.
Солай етип, Дебора Барақ пенен бирге Кедешке кетти. 10Барақ Зебулон ҳәм Нафталий урпақларын Кедешке жыйнады. Барақтың изине он мың адам ерди. Дебора да оның менен бирге кетти.
11Кен тийресинен болған Хебер Муўсаның қәйин атасы Хобабтың урпағынан болған тийрелеслеринен бөлек шығып, Кедешке жақын жердеги Саананнимдеги емен ағашының жанына шатырын тиккен еди.
12Абиноам улы Барақтың Табор таўына шыққанын еситкен Сисера 13тоғыз жүз темир саўаш арбасын ҳәм қасындағы барлық әскерлерин Харошет-Гойымнан шығарып, Кишон сайына топлады.
14Дебора Бараққа:
– Қәне, атлан! Себеби бул күн – Жаратқан Ийениң Сисераны саған тәслим ететуғын күни. Жаратқан Ийе сениң алдыңда барады, – деди.
Солай етип, Барақ он мың адамды ертип, Табор таўынан түсти. 15Барақ ҳүжим қылғанда, Жаратқан Ийе Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин албыратты. Сонда Сисера саўаш арбасынан түсип, жаяў қашып кетти. 16Барақ оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Харошет-Гойымға дейин қуўып барды. Сисераның пүткил әскерлери қылыш жүзинен өткерилди. Ҳеш бири аман қалмады.
17Ал жаяў қашып кеткен Сисера болса, кенлерден болған Хебердиң ҳаялы Яелдиң шатырына келди. Өйткени Хасордың патшасы Ябин менен Хебердиң шаңарағы арасындағы қарым-қатнас жақсы еди.
18Яел Сисераны күтип алыўға шығып, оған:
– Қорқпаң, мырзам. Келиң, шатырыма кириң, – деди. Сисера ҳаялдың шатырына киргенде, ҳаял оның үстине бир жапқышты жаўып қойды.
19Сисера:
– Шөлледим, илтимас, ишиўге аз-маз суў бер, – деди.
Яел сүт месин ашып, Сисераға сүт ишкизгеннен кейин, оның үстин және жаўып қойды.
20Сисера ҳаялға:
– Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди.
21Хебердиң ҳаялы Яел қолына шатырдың бир қазығы менен балғаны алды. Ол шаршағанлықтан қатты уйқыға кеткен Сисераның қасына әсте жақынлап барды да, қазықты оның шекесине қақты ҳәм қазық тесип өтип, жерге кирип кетти. Сисера сол заматта-ақ өлди. 22Сол ўақытта Барақ Сисераны қуўып киятырған еди. Яел Барақтың алдынан шығып, оған:
– Ишке кир, излеп киятырған адамыңды саған көрсетейин, – деди.
Барақ ҳаялдың шатырына кирип барғанда, шекесине қазық қағылып, өлип атырған Сисераны көрди.
23Солай етип, Қудай сол күни кенаанлы патша Ябинди Израил халқына бойсындырды. 24Израил халқы кенаан патшасы Ябинге күннен-күнге қарсы турып, ақырында оны жоқ қылды.

 

5

 

Дебора ҳәм Барақтың жыры

 

1Дебора менен Абиноам улы Барақ сол күни былай жырлады:

 

 

2«Израил көсемлери басшылық қылғанда,
Халық пидәкерлик пенен атланғанда,
Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
3Тыңлаңлар, сизлер, ҳәй патшалар!
Ҳәй төрелер, қулақ салыңлар!
Жаратқан Ийени жырлайман,
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени саз шертип алғыслайман.
4Сеирден шыққаныңда, о Жаратқан Ийе,
Эдом жеринен жүрис қылғаныңда,
Жер силкинди, аспаннан жаўын қуйды.
Аўа, бултлар жаўын қуйдырды.
5Таўлар Жаратқан Ийениң алдында титиреди,
Ҳәттеки, титиреди Синай таўы,
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдында.

 

6Анат улы Шамгардың дәўиринде,
Яелдиң заманында кәрўанлар жүрмей қалды,
Жолаўшылар айланба жолдан жүретуғын болды.
7Мен Израилда ана болып, ортаға шықпағанымша,
Мен, Дебора ортаға шыққанға дейин,
Израил аўыллары босап қалды.
8Израиллылар жаңа қудайларды таңлағанда,
Урыс қаланың дәрўазасына тирелди,
Израилдың қырқ мың әскериниң қолында,
Қалқан да, найза да көринбеди.
9Жүрегим Израилдың басшылары менен,
Ҳәм халық арасындағы пидәкерлер менен бирге,
Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
10Ҳәй, ақ ешек мингенлер,
Ҳәй, гилем үстинде отырғанлар,
Ҳәй, жолда жаяў жүриўшилер, тыңлаңлар!
11Қудықлардың басындағы аламан даўысы,
Жаратқан Ийениң жеңислерин,
Израил әскерлериниң жеңислерин аңлатар:

 

„Сонда Жаратқан Ийениң халқы,
Қала дәрўазаларына қарай жүрис қылды.
12Оян, Дебора, оян,
Оян, жырыңды айт, оян!
Ҳәй, Абиноам улы Барақ,
Орныңнан тур, алып жүр тутқынларыңды“.

 

13Аман қалғанлар сәркәрдаларының жанына келди,
Жаратқан Ийениң халқы батырлары менен маған келди.
14Амалек жериндеги Эфрайымнан келди,
Беняминлилер де саған ерди.
Махир әўладынан келди басшылар,
Зебулоннан келди сәркәрдалық ҳасасын услағанлар.
15Бирге еди Иссахар басшылары Дебора менен,
Иссахар урыўы да Барақтың изинен,
Ойпатлыққа түсти асығыслық пенен.
Бирақ Рубен урыўының тийрелери,
Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
16Не ушын қалдыңыз сүриўлер арасында?
Шопанлардың қойларды шақырғанын еситиў ушын ба?
Бирақ Рубен урыўының тийрелери,
Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
17Гиладлылар Иордан дәрьясының арғы жағында қалды,
Не ушын Дан урыўы кемелер жанында қалды?
Ашер урыўы теңиз жағасында қалды,
Өз жағысларына мәкан басты.
18Бирақ Зебулон ҳәм Нафталий халқы,
Жанларын өлимге тикти майданның бийик жерлеринде.

 

19Сонда патшалар келип урысты,
Таанахта ҳәм Мегиддо суўлары жағасында,
Кенаан патшалары урысты,
Бирақ гүмис те, олжа да алмады.
20Саўашқа түсти жулдызлар аспаннан,
Сисераға қарсы урысты, жүрип олар аспандағы өз жолынан.
21Кишон дәрьясы, о, ески дәрья,
Ағысып кетти оларды,
Ҳәй жаным, күш-қуўатқа толып, алға бас.
22Келди сонда атлар дүсирлеп,
Күшли атлардың туяқлары,
Қалдырды излерин жерде.
23Жаратқан Ийениң периштеси былай деди:
„Нәлетлеңлер, Мероз қаласын,
Нәлетлер айтың, оның халқына.
Жәрдемге келмегени ушын Жаратқан Ийеге,
Батырларға қарсы урысыў ушын“.

 

24Кен тийресинен болған Хебердиң ҳаялы Яел,
Ҳаяллар арасында мол-мол етип жарылқансын,
Шатырларда жасайтуғын ҳаяллар арасында,
Мол-мол етип жарылқансын.
25Суў сорағанда сүт берди,
Ҳасыл кеседе айран усынды.
26Алды шеп қолына шатыр қазығын,
Оң қолына жумысшының балғасын.
Урды Сисераны, езди басын,
Шекесине қақты қазықты,
Қазық та тесип өтти оның басын.
27Жығылды Сисера оның аяқлары астына,
Қулап, жерде созылып жатты.
Ол жығылып, Яелдиң аяқлары астына,
Жығылған жеринде жансыз қалды.

 

28Сисераның анасы терезе артынан,
Зарланды былай деп, пәнжиреден қарап:
„Улымның саўаш арбасы,
Кешикти неге буншелли?
Еситилмейди неге елеге дейин,
Саўаш арбаларының сеслери?“
29Жуўап берер оған жанындағы дана ҳаяллары.
Анасы да өзин жубатып былай дер:
30„Мүмкин, олар олжаны бөлисип атырған шығар,
Ҳәр жигиттиң пайына бир-еки қыздан.
Сисераға олжадан реңли кийимлер,
Аўа, олжадан түскен рәңбәрәң кийимлер,
Олжа алғанның ҳәр бирине,
Еки рәңбәрәң етип кестеленген кийимлер тийискен шығар“.

 

31О, Жаратқан Ийе! Барлық душпанларың усылай жоқ болсын.
Сени сүйгенлер болса,
Пүткил қүдирети менен шыққан қуяш яңлы болсын!»

 

 

Соннан кейин, ел қырқ жыл парахатшылықта жасады.

 

6

 

Гидеон

 

1Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Жаратқан Ийе де оларды жети жыл мидянлыларға тәслим етти. 2Мидянлылардың израиллыларға көрсеткен зулымлығы соншелли аўыр болғанлықтан, израиллылар өзлери ушын таўларда паналайтуғын жерлер, үңгирлер ҳәм қорғанлар ислеп алды. 3Израиллылар егин еккен ўақтында, мидянлылар, амалеклер ҳәм күншығыстағы басқа халықлар елге басқыншылық ететуғын еди. 4Олар Израилда ордаларын қурып алып, Газаға дейинги егинлерин жоқ қылатуғын ҳәм тиришилик етиўге керекли болған қой, сыйыр, ешек сыяқлы нәрселердиң ҳеш қайсысын қоймайтуғын еди. 5Себеби олар өзлериниң маллары ҳәм шатырлары менен бирге шегиртке сыяқлы көп болып келетуғын еди. Олардың өзлериниң де, түйелериниң де есап-саны жоқ болып, Израилды ўайран етиў ушын, ел бойлап жүретуғын еди. 6Израил халқы мидянлылар себепли соншелли жарлыланып қалғанлықтан, олар Жаратқан Ийеге жалбарына баслады.
7Израиллылар мидянлылар себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, 8Жаратқан Ийе оларға бир пайғамбар жиберди. Пайғамбар оларға былай деди:
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди Мысырдан, қул болған жериңизден Мен алып шықтым. 9Сизлерди мысырлылардың ҳәм пүткил зулым етиўшилердиң қолынан Мен қутқардым. Оларды алдыңыздан қуўып, жерлерин сизлерге бердим». 10Сонда Мен сизлерге: «Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Өзлериңиз жерлеринде жасап атырған аморлардың қудайларына табынбаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар.
11Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси келип, Офра қаласындағы Абиезер әўладынан болған Йоашқа тийисли емен ағашының астында отырды. Сол ўақытта Йоаштың улы Гидеон мидянлылардан жасырып, шарап искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди. 12Жаратқан Ийениң периштеси оған көринип:
– Ҳәй, батыр жигит, Жаратқан Ийе сениң менен бирге, – деди.
13Гидеон оған:
– О, мырзам, егер Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болса, онда булардың барлығы не ушын басымызға түсти? Ата-бабаларымыз бизлерге: «Жаратқан Ийе бизлерди Мысырдан алып шықты», – деп айтып берген еди. Жаратқан Ийениң сол кәраматлары қайда қалды? Жаратқан Ийе бизлерди таслап кетти ҳәм мидянлыларға тәслим қылды, – деди.
14Жаратқан Ийе Гидеонға қарап:
– Өзиңде бар болған күш-қуўатың менен бар да, Израилды мидянлылардың қолынан қутқар. Сени Мен жиберип атырман, – деди.
15Гидеон:
– О, Ийем, мен Израилды қалайынша қутқара аламан? Мениң тийрем Менашше урыўындағы ең әззи тийре, мен де үйдеги генже улман, – деди.
16Жаратқан Ийе оған:
– Мен сениң менен бирге боламан. Сен мидянлылардың ҳәммесин бир адамды жеңгендей қылып, қырып таслайсаң, – деди.
17Сонда Гидеон:
– Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, мениң менен сөйлесип атырған Сен екениңди билиўим ушын, маған бир нышан көрсет. 18Илтимас, Саған садақамды әкелип, усынбағанымша, бул жерден кетип қалма, – деди.
Жаратқан Ийе Гидеонға:
– Сен қайтып келгениңше, усы жерде тураман, – деп жуўап берди.
19Гидеон үйине барып, бир ылақты сойды, бир эфа[3] уннан ашытқысыз нан писирди ҳәм гөшти себетке салды да, сорпасын табаққа қуйды. Гидеон буларды емен ағашының астына алып барып, периштеге усынды. 20Қудайдың периштеси оған:
– Гөшти ҳәм ашытқысыз нанларды алып, оларды мына тастың үстине қой да, сорпаны үстине қуй, – деди. Гидеон айтылғанларды иследи. 21Жаратқан Ийениң периштеси қолындағы таяғының ушын гөш ҳәм ашытқысыз нанға тийгизгенде, тастан от шықты. От гөш ҳәм ашытқысыз нанды жағып, жоқ қылып жиберди. Соннан кейин Жаратқан Ийениң периштеси көзден ғайып болды. 22Гидеон көрген адамының Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинип:
– Ўаҳ, Ийем, Жаратқан Ийе! Мен Сениң периштең менен жүзбе-жүз көристим, – деди.
23Жаратқан Ийе оған:
– Саған тынышлық болсын. Қорқпа, өлмейсең, – деди.
24Гидеон ол жерде Жаратқан Ийе ушын қурбанлық орын иследи. Қурбанлық орынды Яҳўе Шалом деп атады. Бул орын бүгин де Абиезер урпақларының Офра қаласында тур.
25Тап сол күни түнде Жаратқан Ийе Гидеонға:
– Әкеңниң падасынан жети жасар бир буғаны ал. Соннан кейин, әкеңниң Баал ушын соқтырған қурбанлық орынды бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып тасла. 26Усы төбешиктиң үстине Қудайың Жаратқан Ийеге арнап, тегис етип қурбанлық орын қур. Соңынан сол буғаны ал да, өзиң кесетуғын кийели ағашты отын қылып, жандырылатуғын қурбанлық етип бағышла, – деди. 27Гидеон өз адамларынан он адамды қасына алып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын орынлады. Бирақ ол үйиндегилерден ҳәм қала халқынан қорққанлықтан, буны күндиз емес, ал түнде иследи.
28Азанда ерте турған қала халқы Баалға арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын, кийели ағаштың шабылғанын ҳәм буғаның тазадан қурылған қурбанлық орынның үстинде қурбанлық қылып усынылғанын көрди. 29Сонда олар бир-биринен: «Буны ким иследи?» – деп сорады. Сорастырып көргеннен соң, бул исти Йоаш улы Гидеонның қылғанын билди. 30Сол себептен олар Йоашқа:
– Балаңды сыртқа шығар, ол өлиўи керек. Себеби ол Баалдың қурбанлық орнын бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып таслаған, – деди.
31Йоаш өзине топылып келген адамларға:
– Баалды қорғаў сизлерге қалды ма? Оны қутқаратуғын сизлер ме? Баалды қорғайтуғынлар таңға дейин өлтириледи. Егер Баал қудай болса, ол өзи ушын гүрессин. Өйткени бузылған қурбанлық орын оныки-ғо! – деди.
32Сол күни Йоаш: «Баал өзи ушын өз гүрессин, өйткени бузылған қурбанлық орын оныки», – деп, Гидеонды Еруббаал[4] деп атады.
33Сол арада мидянлылар, амалеклер ҳәм шығыс халықлары бирлесип, Иордан дәрьясынан өтти де, Изреел ойпатлығына шатырларын қурды. 34Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Гидеонның үстине түсти ҳәм ол кәрнайын шертип, Абиезер урпақларын өзиниң изине ериўге шақырды. 35Гидеон пүткил Менашше урыўына хабаршылар жиберип, ол жердеги халықты да жыйнады. Ол Ашер, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларына да хабаршылар жиберди. Солай етип, олар да бирлесиўге келди.
36Сонда Гидеон Қудайға былай деди:
– Егер Өзиң ўәде еткениңдей, Израилды мен арқалы қутқаратуғының рас болса, 37онда мен мына қырқылған жүнди қырманның үстине жаяман. Егер шық жүнниң үстине түсип, ал жер қурғақ болса, онда Өзиң айтқаныңдай, Израилды мен арқалы қутқаратуғыныңды билемен.
38Солай болды да. Ертеңине азанда ерте турған Гидеон жүнди алып сыққанда, жүннен бир кесе толы суў шықты.
39Соннан кейин, Гидеон Қудайға былай деди:
– Маған ғәзепленбе, және бир тилегим бар. Усы жүн арқалы сынаўыма және бир мәрте рухсат ет. Бул рет тек жүн ғана қурғақ болып, жер бетин шық қапласын.
40Қудай сол түнде Гидеонның айтқанын иследи. Жүн қурғақ болып, пүткил жер бетин шық қаплады.

 

7

 

Гидеонның мидянлыларды жеңиўи

 

1Еруббаал, яғный Гидеон ҳәм оның жанындағы барлық адамлар ерте турып, Харод булағының басына орда қурды. Мидянлылардың ордасы олардың арқа тәрепинде, Море төбешигиниң қасындағы ойпатлықта еди.
2Жаратқан Ийе Гидеонға былай деди:
– Сениң қасыңдағы адамлар жүдә көп. Олар: «Өз күшимиз бенен қутқарылдық» деп, Мениң алдымда мақтанбаўы ушын, мидянлыларды оларға тәслим қыла алмайман. 3Енди сен халыққа: «Ким қорққанынан қалтырап турған болса, кетсин, Гилад таўынан изине қайтсын», – де.
Солай етип, халықтан жигирма еки мың адам қайтып кетип, ол жерде он мың адам қалды.
4Жаратқан Ийе Гидеонға:
– Адамларыңның саны еле де көп. Сен оларды суў бойына алып бар. Мен оларды сол жерде сен ушын електен өткеремен. «Сениң менен барады» деген адамым сениң менен барады. Ал «Сениң менен бармайды» деген адамым бармайды, – деди.
5Гидеон халықты суў бойына алып барды. Жаратқан Ийе Гидеонға:
– Ийт сыяқлы тили менен суў ишкенлерди бир тәрепке, дизерлеп отырып суў ишкенлерди екинши тәрепке айыр, – деди.
6Қолларын аўзына апарып, тиллери менен суў ишкенлердиң саны үш жүз болды. Ал қалғанларының ҳәммеси суў ишиў ушын дизерлеп отырды. 7Жаратқан Ийе Гидеонға:
– Сизлерди тили менен суў ишкен үш жүз адам арқалы қутқараман. Мидянлыларды саған тәслим қыламан. Ал қалғанлары үйлерине қайтсын, – деди.
8Солай етип, Гидеон тек үш жүз адамды ғана алып қалып, қалған израиллыларды үйлерине қайтарып жиберди. Сол үш жүз адам кеткенлердиң азық-аўқатлары менен кәрнайларын алып қалды. Мидянлылардың ордасы Гидеон болған жердиң төменги жағында, ойпатлықта еди.
9Жаратқан Ийе сол күни түнде Гидеонға былай деди:
– Тур, мидянлылардың ордасына ҳүжим қыл, өйткени оларды саған тәслим қылып атырман. 10Егер ҳүжим етиўге қорқсаң, Пура атлы хызметшиңди жаныңа алып, төменге, олардың ордасына бар. 11Мидянлылардың сөзлерин тыңла. Сонда сен оларға ҳүжим етиўге жүрексинесең.
Солай етип, Гидеон хызметшиси Пура менен бирге мидянлылар ордасының шетиндеги сақшылар бөлимине кетти. 12Ойпатлыққа жайласып алған мидянлылар, амалеклер ҳәм барлық шығыс халықлары шегиртке сыяқлы көп еди. Олардың түйелери де теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз еди. 13Гидеон ол жерге жетип барғанда, бир адам өз жолдасына көрген түсин айтып берип атыр еди. Ол:
– Мен бир түс көрдим. Түсимде арпадан писирилген бир шөрек нан Мидян ордасына туўры домалап барып, шатырға урылғанда, шатыр қулап, жер менен жексен болды, – деди.
14Сол адамның жолдасы:
– Бул израиллы Йоаш улы Гидеонның қылышынан басқа ҳеш нәрсе емес. Қудай мидянлыларды ҳәм пүткил орданы оған тәслим етежақ болғаны, – деп жуўап берди.
15Гидеон түсти ҳәм оның жорылыўын еситип, Қудайға сыйынды. Ол Израил ордасына қайтып келип, адамларына:
– Турыңлар! Жаратқан Ийе Мидян ордасын сизлерге тәслим қылды, – деди.
16Соңынан Гидеон үш жүз адамды үш топарға бөлип, олардың ҳәр бирине бир кәрнай ҳәм бос бир гүзеден берди. Гүзелердиң ишинде шыралар бар еди. 17Сонда Гидеон оларға былай деди:
– Көзиңиз менде болсын. Мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер. Олардың ордасына барғанымда, мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер. 18Мен ҳәм мениң қасымдағылар кәрнайларымызды шерткенимизде, сизлер де орданың айнала дөгерегинде турып, кәрнайларыңызды шертиңлер де: «Жаратқан Ийе ушын ҳәм Гидеон ушын!» – деп бақырыңлар.
19Гидеон ҳәм оның қасындағы жүз адам түнде, ортанғы гезектеги қараўыллар алмасыўдан-ақ, ордаға жетип барды. Олар кәрнайларын шертип, қолларындағы гүзелерди сындырды. 20Үш топар да кәрнайларын шертип, гүзелерин сындырды. Олар шеп қолына шырасын, оң қолына кәрнайын услап: «Жасасын Жаратқан Ийениң ҳәм Гидеонның қылышы!» – деп бақырды. 21Олардың ҳәр бири душпан ордасының дөгерегинде, өз орнында турғанда, ордадағылардың ҳәммеси албырасып, бақырысып қаша баслады.
22Үш жүз кәрнай бирден шертилгенде, Жаратқан Ийе ордадағылардың ҳәммесине бир-бирине қарсы қылыш көтергизди. Мидян ордасы Серера тәрептеги Бейт-Шиттаға қарай, яғный Таббатқа жақын жердеги Абел-Мехоланың шетине дейин қашып кетти. 23Сонда Нафталий, Ашер ҳәм пүткил Менашше урыўларынан болған израиллылар шақырылды ҳәм олар мидянлыларды қуўа баслады.
24Кейин Гидеон Эфрайымның пүткил таўлы үлкесине хабаршылар жиберип, былай деди: «Төменге түсип, мидянлыларға ҳүжим қылыңлар. Олардың жолларын тосыў ушын, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизиңлер». Солай етип, эфрайымлылар жыйналып, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизди. 25Олар мидянлылардың еки басшысын, Ореб пенен Зеебти тутқынға алды. Оребти Ореб жартасының қасында, ал Зеебти Зееб шарап искенжеси жанында өлтирип, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. Ореб пенен Зеебтиң кесилген басларын Иордан дәрьясының арғы жағындағы Гидеонға апарып берди.

 

8

 

Зебах пенен Салмунна

 

1Эфрайым урыўының адамлары Гидеонға:
– Мидянлылар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди шақырмадың. Бизлерге не ушын бундай қылдың? – деп оны қатты айыплады.
2Гидеон оларға былай деп жуўап берди:
– Сизлердиң ислеген исиңиздиң қасында меники не болыпты? Эфрайымның териминен қалған жүзимлер Абиезердиң пүткил жүзим өнимлеринен жақсырақ емес пе? 3Қудай Мидян басшылары болған Ореб ҳәм Зеебти сизлерге тәслим қылды. Сизлерге тең келетуғындай, мен не ислей алдым?
Гидеонның бул сөзлери олардың ғәзебин қайтарды.
4Гидеон ҳәм оның жанындағы үш жүз адам Иордан дәрьясына келип, дәрьяны кесип өтти. Олар шаршаса да, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. 5Ол Суккотқа келгенде, қала халқына:
– Мениң изимнен киятырған адамларыма нан бериңлер, олар ҳалдан тайған. Мен Мидян патшалары Зебах ҳәм Салмуннаның изинен қуўып баратырман, – деди.
6Суккот басшылары оған:
– Сениң әскерлериңе нан бергендей, сен Зебах ҳәм Салмуннаны тутқынға алып па едиң? – деди.
7Гидеон оларға:
– Болады, усы сөзиңиз ушын, Жаратқан Ийе Зебах пенен Салмуннаны маған тәслим еткенде, мен денелериңизди шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен тилким-тилким қыламан, – деди.
8Гидеон ол жерден Пену-Элге кетти ҳәм оның халқынан да тап солай деп илтимас қылды. Бирақ Пену-Эл халқы да Суккот халқының берген жуўабын берди. 9Гидеон оларға:
– Саў-саламат изиме қайтқанымда, бул минараны қулатаман, – деди.
10Сол ўақытта Зебах пенен Салмунна он бес мыңға шамалас аман қалған шығыс халықларының әскерлери менен бирликте Қарқорда еди. Қуралланған бир жүз жигирма мың әскер өлген еди. 11Гидеон Нобах ҳәм Йогбоҳаның шығыс тәрепиндеги кәрўан жолы менен барып, аңсыз турған душпан ордасына ҳүжим жасады. 12Зебах пенен Салмунна қашып кетти, ал Гидеон олардың изинен қуўды. Ол Мидянның еки патшасы болған усы Зебах пенен Салмуннаны қолға алып, олардың барлық әскерлерин албыратып таслады.
13Йоаш улы Гидеон урыстан Херес төбешиги бойлап қайтты. 14Жолда Гидеон Суккоттың бир жас жигитин услап алып, оны сораўға тутты. Жас жигит оған Суккоттың жетпис жети басшысы менен ақсақалларының атларын жазып берди.
15Гидеон Суккот халқына барып, оларға былай деди:
– Сизлер маған: «Сениң ҳалдан тайған адамларыңа нан беретуғындай, сен Зебах пенен Салмуннаны тутқынға алып па едиң?» – деп мени масқаралаған едиңиз. Минекей, Зебах пенен Салмунна!
16Соңынан Гидеон қала ақсақалларын топлап, Суккот халқын шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен жазалады. 17Кейин Пену-Эл минарасын қулатып, қала халқын өлтирди.
18Соңынан Гидеон Зебах пенен Салмуннадан:
– Таборда өлтиргенлериңиз қандай адамлар еди? – деп сорады. Олар Гидеонға:
– Олар саған усаған еди, ҳәммеси патша улларына мегзес еди, – деп жуўап берди. 19Гидеон оларға:
– Олар мениң туўысқанларым, анамның уллары еди. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, егер сизлер оларды аман қалдырғаныңызда, мен де сизлерди өлтирмес едим, – деди. 20Соннан кейин, Гидеон туңғыш улы Етерге:
– Қәне, оларды өлтир, – деди. Деген менен, еле жас болған Етер қорқып, қылышын көтермеди.
21Сонда Зебах пенен Салмунна Гидеонға:
– Бизлерди өзиң өлтир. Еркектиң исин тек еркек ислей алады, – деди.
Солай етип, Гидеон барып, Зебах пенен Салмуннаны өлтирди ҳәм түйелериниң мойнындағы ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын алды.
22Израиллылар Гидеонға:
– Сен, улың ҳәм ақлығың бизлерге басшылық етиң. Себеби бизлерди мидянлылардың қолынан сен қутқардың, – деди.
23Бирақ Гидеон оларға:
– Мен де, улым да сизлерге басшылық қылмаймыз. Сизлерге Жаратқан Ийе басшылық қылады, – деп жуўап берди. 24Соңынан Гидеон даўам етип:
– Сизлерден бир тилегим бар: маған ҳәр бириңиз олжаларыңыздан бир алтын сырғадан бериңлер, – деди. Душпанлар исмайыллылар болғанлықтан, алтын сырға тағатуғын еди.
25Израиллылар:
– Жан деп беремиз, – деп, жерге бир жайыў жайды да, олжаларынан бир сырғадан жайыўдың үстине таслады. 26Ай көринисиндеги безениў буйымларын, түймелерди, Мидян патшаларының шым қызыл шапанларын ҳәм түйелердиң мойнындағы алтын шынжырларды есапламағанда, Гидеонның алған алтын сырғаларының аўырлығы бир мың жети жүз шекел[5] шықты. 27Гидеон олардан бир эфод ислетип, оны өз қаласы болған Офраға жайластырды. Пүткил израиллылар усы эфодқа табынып, Жаратқан Ийеге опасызлық қылды. Солай етип, бул бут Гидеон ҳәм оның шаңарағы ушын бир дузақ болды.
28Израиллылардан жеңилген мидянлылар оларға бир мәрте де қарсы көтерилмеди. Ел Гидеон дәўиринде қырқ жыл парахатшылықта жасады.

 

Гидеонның өлими

 

29Йоаш улы Еруббаал қайтып келип, өз үйинде жасаўды даўам етти. 30Оның жетпис улы бар еди, себеби оның ҳаяллары көп болды. 31Гидеонның Шехемде бир тоқалы бар еди. Сол тоқалы да бир ул туўып берип, оның атын Абимелех қойды. 32Йоаш улы Гидеон мазмунлы узақ өмир сүрип, қайтыс болды. Ол Абиезер урпақларының Офра қаласындағы әкеси Йоаштың қәбирине жерленди.
33Гидеон өлгеннен кейин, израиллылар Жаратқан Ийеге және опасызлық қылып, Баал мүсинлерине табынды. Олар Баал-Беритти өзлерине қудай етип қойды. 34Өзлерин әтирапындағы душпанларынан қутқарған Қудайы Жаратқан Ийени умытты. 35Және де, олар Израилға сонша жақсылықлар қылған Еруббаалдың, яғный Гидеонның шаңарағына да жақсы қатнаста болмады.

 

9

 

Абимелех

 

1Еруббаалдың улы Абимелех дайыларының жанына, Шехем қаласына барып, оларға ҳәм анасының тийресинен болған барлық адамларға былай деди:
2– Шехем халқынан: «Сизлер ушын қайсысы жақсырақ? Гидеонның жетпис улы сизлерге бийлик еткени ме ямаса бир адамның бийлик еткени ме?» – деп сораңлар. Мениң өзлериңиз бенен сүйеги бир, қанлас екенимди умытпаңлар.
3Дайылары Абимелехтиң айтқанларын Шехем халқына жеткерди. Соннан кейин, Абимелехке халықтың кеўли ийип: «Ол бизлердиң туўысқанымыз болады», – деди. 4Олар Абимелехке Баал-Берит бутханасынан жетпис шекел гүмис берди. Ал Абимелех бул ақшаға оңбаған ҳәм жарамас адамларды изине ертти. 5Соңынан ол Офраға, әкесиниң үйине кетип, туўысқанларын, яғный Еруббаалдың жетпис улын бир тас үстинде өлтирди. Тек ғана Еруббаалдың генже улы Йотам қашып жасырынғаны ушын аман қалды.
6Кейин пүткил Шехем ҳәм Бейт-Милло халықлары бирге жыйналып, Шехемдеги естелик тастың жанындағы емен ағашының қасына барды ҳәм Абимелехти патша етип тайынлады.
7Бул хабар Йотамға жетип барғанда, ол Гериззим таўының төбесине шығып, бәлент даўыс пенен халыққа былай деди:
«Ҳәй, Шехем халқы! Мени тыңлаңлар, сонда Қудай да сизлерди тыңлайды. 8Бир күни тереклер өзлерине патша таңлап, оны майламақшы болыпты. Сонда олар зәйтүн ағашына барып: „Бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
9Зәйтүн ағашы оларға: „Қудайлар ҳәм адамларды ҳүрметке еристириў ушын қолланылатуғын майымды таслап, тереклердиң үстинде шақаларымды тербелтип турайын ба?“ – деп жуўап берипти.
10Сонда тереклер әнжир ағашына: „Кел, сен бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
11Әнжир ағашы оларға: „Жақсы ҳәм мазалы мийўемди таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – деп жуўап берипти.
12Соңынан тереклер жүзим ағашына: „Кел, сен-ақ бизлердиң патшамыз бол“, – депти. 13Жүзим ағашы оларға: „Қудайлардың ҳәм адамлардың кеўлин көтеретуғын шарабымды таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – депти.
14Ақыры тереклер шеңгелге келип: „Кел, бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
15Шеңгел оларға: „Егер шынында да мени майлап, өзлериңизге патша етип қоймақшы болсаңыз, онда келиңлер, көлеңкемде паналаңлар. Егер паналамасаңыз, тикенлеримнен шыққан от Лебанонның кедр[6] ағашларын жандырып жибереди“, – депти.
16Минекей, сизлер Абимелехти патша етип сайлап әдил ҳәм дурыс иследик деп санайсызлар ма? Еруббаал ҳәм оның шаңарағына жақсылық еткениңиз усы ма? Бул мүнәсибетиңиз әкеме ылайық па? 17Ал әкем сизлерди мидянлылардың қолынан қутқарыў ушын өз жанын қәўип астына қойып, сизлер ушын урысты. 18Бирақ бүгин сизлер әкемниң шаңарағына қарсы қол көтердиңлер, оның жетпис улын бир тастың үстинде өлтирдиңлер. Оның тоқалынан туўылған Абимелехти болса, өз туўысқаныңыз болғаны ушын Шехемге патша қылып қойдыңлар. 19Егер бүгин Еруббаал ҳәм оның шаңарағына дурыс ҳәм әдил ис ислеген болсаңыз, онда Абимелех ушын қуўаның, ол да сизлер ушын қуўансын! 20Бирақ олай болмаса, Абимелехтен от шығып, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқын жандырып жиберсин. Я болмаса, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқынан от шығып, Абимелехти жандырып жиберсин».
21Соңынан Йотам туўысқаны Абимелехтен узаққа, Беерге қарай қашып кетип, сол жерде жасады.
22Абимелех Израилды үш жыл басқарды. 23Кейин Қудай Абимелех пенен Шехем халқының арасына жаман руўх жиберип, бир-бирине қарсы қылды ҳәм халық Абимелехке бойсынбай қойды. 24Себеби Қудай буны өз туўысқанлары болған Еруббаалдың жетпис улын өлтирген Абимелехтен ҳәм оның бул исин қоллап-қуўатлаған Шехем халқынан, олар төккен қанның қунын алыў ушын иследи. 25Шехем халқы Абимелехке қарсы таў басларында буққы жасады ҳәм ол жерден өткенлердиң ҳәммесин тонады. Бул ҳаққында Абимелехке хабар жетти.
26Эбед улы Гаал туўысқанлары менен бирге келип, Шехемге жайласты. Ол Шехем халқының исенимине кирди. 27Олар бағларға барып, жүзим жыйнады ҳәм оны сығып, шарап ислегеннен кейин, байрамлады. Олар өз қудайының бутханасында ишип-жеп отырып, Абимелехке мазақ сөзлер айтты. 28Сонда Эбед улы Гаал былай деди: «Бизлер, яғный Шехем халқы Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты? Ол Еруббаалдың улы емес пе? Зебул да оның оң қолы емес пе? Сизлер шехемлилердиң атасы Хамордың урпағынан болғанларға хызмет қылыңлар. Абимелехке не деп хызмет етемиз? 29Қәнекей, бул халықты мен басқарсам еди! Сонда Абимелехти өзим қуўып жиберер едим ҳәм оған: „Әскерлериңди көбейтип, саўаш майданына шық!“ – дер едим».
30Қаланың басшысы болған Зебул Эбед улы Гаалдың сөзлерин еситкенде, ғәзеби қайнады. 31Ол Абимелехке жасырын түрде хабаршылар жоллап, олар арқалы мыналарды айтып жиберди: «Мине, Эбед улы Гаал ҳәм оның туўысқанлары Шехемге келди. Олар қаланы саған қарсы қоймақта. 32Енди сен түнде адамларың менен бирге келип, атызда буққы таслап жат. 33Азанда таң атыўдан-ақ орныңнан турып, қалаға ҳүжим жаса. Гаал ҳәм оның адамлары саған қарсы шыққанда, оларға қолыңнан келгенин исле».
34Солай етип, Абимелех ҳәм оның адамлары түнде турып, төрт топарға бөлинди де, Шехемге жақын жерде буққы таслап жатты.
35Эбед улы Гаал сыртқа шығып, қала дәрўазасының аўзында турғанда, Абимелех ҳәм оның қасындағылар буққыда жатырған жеринен шықты. 36Киятырғанларды көрген Гаал Зебулға:
– Таўлардың төбесинен түсип киятырғанларға қара! – деди.
Зебул оған:
– Адамларға уқсатып турғаның негизинде таўлардың көлеңкеси-ғо, – деди.
37Бирақ Гаал сөзин даўам етип:
– Қара, үлкемиздиң ортасындағы төбешиктен адамлар түсип киятыр. Палкерлер емени тәрептен де бир топар киятыр, – деди.
38Сонда Зебул Гаалға:
– Енди сениң: «Бизлер Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты?» – деген сөзиң қаяқта? Сен менсинбеген халық усы емес пе? Қәне, енди шығып, олар менен өзиң урыс, – деди.
39Гаал Шехем халқын баслап, Абимелех пенен урысыўға шықты. 40Бирақ ол жеңилип қаша баслады ҳәм Абимелех оның изинен қуўды. Қаланың кирер аўзына дейинги аралықта көп санлы өлилер жайрап жатты.
41Абимелех Арумада қалды. Ал Зебул Гаалға ҳәм оның туўысқанларына Шехемде жасаўға рухсат бермей, оларды қаладан қуўып жиберди.
42Ертеңине Абимелех шехемлилердиң атызларға шыққанынан хабар тапты. 43Ол адамларын үш топарға бөлип, атызларда буққы таслап жатты. Халықтың қаладан шыққанын көргенде ҳүжим қылып, оларды өлтирди. 44Абимелех жанындағы топары менен жылдам түрде қаланың кирер аўзына барып турғанда, басқа еки топары атызда болғанларға ҳүжим жасап, оларды өлтирди. 45Абимелех күн бойы қалаға қарсы урысып, қаланы қолға киргизди ҳәм халқын қылыштан өткизди. Қаланы ўайран етип, үстине дуз септи.
46Шехем минарасындағы адамлар болған ўақыялар ҳаққында еситкенде, Эл-Берит бутханасының қорғанын паналады. 47Абимелех Шехем минарасында болғанлардың сол жерге жыйналғанынан хабар тапты. 48Сонда ол қасындағы адамлары менен бирге Салмон таўына шықты. Қолына бир балта алып, теректиң шақасын шапты да, оны ийнине қойып, қасындағы халыққа: «Мениң не ислегенимди көрдиңлер, дәрриў сизлер де солай ислеңлер», – деди. 49Солай етип, ҳәммеси бир шақадан кесип алып, Абимелехтиң изине ерди. Олар шақаларды қорғанның түбине үйип, от берди. Солай етип, Шехем минарасында болған мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар өлди.
50Соннан кейин, Абимелех Тебеске барды да, қаланы қамал қылып, оны қолға киргизди. 51Қаланың ортасында беккем бир минара бар еди. Еркек ҳәм ҳаяллар, пүткил қала халқы сол жерди паналады. Олар қапыларды илип, минараның төбесине шықты. 52Абимелех минараға келип, оған ҳүжим қылды. Бирақ ол минараға от бериў ушын қапысына жақынласқанда, 53бир ҳаял дигирманның үстинги тасын Абимелехтиң үстине ылақтырып жиберип, басын жарды.
54Абимелех дәрҳал қурал-жарағын алып жүретуғын нөкерин шақырып алды да, оған:
– Қылышыңды шығар да, мени өлтир. Ҳеш ким: «Абимелехти бир ҳаял өлтирди» деп айтып жүрмесин, – деди.
Нөкер қылышын Абимелехке суғып, оны өлтирди. 55Абимелехтиң өлгенин көргенде, израиллылар үйлерине қайтты.
56Солай етип, жетпис туўысқанын өлтирип, әкесине қарсы жаўызлық қылғаны ушын, Қудай Абимелехти усылай жазалады. 57Қудай Шехем халқын да ислеген барлық жаўызлықлары ушын жазалады. Олар Еруббаалдың улы Йотамның ғарғысына ушырады.

 

10

 

Тола

 

1Абимелехтиң өлиминен кейин, Израилды қутқарыў ушын Иссахар урыўынан Додоның ақлығы, Пуаның улы болған Тола атлы бир адам шықты. Тола Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шамирде жасайтуғын еди. 2Ол Израилға жигирма үш жыл бийлик еткеннен соң, қайтыс болды ҳәм Шамирде жерленди.

 

Яир

 

3Соннан кейин, Гиладтан Яир деген адам шығып, Израилда жигирма еки жыл бийлик етти. 4Оның отыз улы болды. Олар отыз ешекке минип, отыз қаланы басқарды. Гилад жериндеги бул қалалар бүгин де Яирге тийисли қалалар деп аталады. 5Яир өлип, Қамонда жерленди.

 

Ифтах

 

6Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Олар Баалға, Аштартаға, арамлылар, сидонлылар, моаблылар, аммонлар ҳәм филистлердиң бутларына табынып кетти. Олар Жаратқан Ийени таслап кетти, Оған сыйынбай қойды. 7Солай етип, израиллыларға ғәзеби қайнаған Жаратқан Ийе оларды филистлер менен аммонлардың қолына тапсырды. 8Олар Иордан дәрьясының арғы тәрепинде, Гиладтағы аморлардың жеринде жасайтуғын пүткил израиллыларды сол жылдан баслап он сегиз жыл даўамында езип, оларға зулымлық иследи. 9Аммон халқы Яҳуда, Бенямин ҳәм Эфрайым урыўлары менен урысыў ушын Иордан дәрьясынан өтти. Сол себепли Израил аўыр аўҳалда қалды. 10Сонда израиллылар Жаратқан Ийеге:
– Бизлер Саған қарсы гүна иследик. Сени, өз Қудайымызды таслап, Баалларға табынып кеттик, – деп нала шекти.
11Жаратқан Ийе израиллыларға былай деп жуўап берди:
– Сизлерди мысырлылардан, аморлардан, аммонлардан ҳәм филистлерден қутқарған Мен емес пе едим? 12Сидонлылар, амалеклер ҳәм маонлылар сизлерге езиўшилик қылғанда да, сизлер Маған нала шеккен едиңиз ҳәм Мен сизлерди олардың қолынан қутқарған едим. 13Бирақ сизлер Мени таслап, басқа қудайларға табынып кеттиңиз. Сол себепли Мен де енди сизлерди қутқармайман. 14Барыңлар, таңлаған қудайларыңызға нала етиңлер. Қыйыншылыққа түскениңизде, сизлерди олар қутқарсын.
15Израиллылар Жаратқан Ийеге:
– Бизлер гүна иследик. Нени мақул деп тапсаң, бизлерге соны исле. Тек бүгин бизлерди қутқар, – деди.
16Соңынан олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслап, Жаратқан Ийеге сыйынды. Жаратқан Ийе де израиллылардың жәбир шегиўине артық шыдамады.
17Аммонлар урысыў ушын жыйналып, Гиладта орда қурғанда, израиллылар да жыйналып, Миспада ордасын қурды. 18Гилад әскерлериниң басшылары бир-бирине: «Аммонларға қарсы биринши болып урысты баслаған адам пүткил Гилад халқының басшысы болады», – деди.

 

11

 

1Гиладлы Ифтах деген бир мәрт жаўынгер бар еди. Ол бир бузық ҳаялдың улы болып, әкесиниң аты Гилад еди. 2Гиладтың өз ҳаялы да оған уллар туўып берди. Олар үлкейгенде Ифтахты қуўып, оған: «Әкемиздиң үйинен мийрас алмайсаң. Өйткени сен басқа бир ҳаялдың улысаң», – деди. 3Ифтах туўысқанларынан қашып, Тоб журтына жайласып алды ҳәм дөгерегине жыйналған оңбаған адамлар оның менен бирге басқыншылық ете баслады.
4Бир қанша ўақыт өткеннен кейин, аммон халқы израиллыларға урыс ашты. 5Урыс ўақтында, Гилад ақсақаллары Ифтахты алып келиў ушын Тоб журтына кетти. 6Олар Ифтахқа:
– Жүр, бизлердиң сәркәрдамыз бол, аммонлар менен урысайық, – деди.
7Ифтах оларға:
– Мени жек көрип, әкемниң үйинен қуўған сизлер емес пе? Басыңызға ис түскенде, не ушын маған келдиңиз? – деп жуўап берди.
8Гилад ақсақаллары оған:
– Енди саған бас ийип келиўимиздиң себеби, сен бизлер менен бирге барып, аммонлар менен урыс. Сонда сен бизлерге, яғный Гилад халқына басшы боласаң, – деди.
9Ифтах олардан:
– Аммонлар менен урысыўға мени алып барсаңыз ҳәм Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылса, онда мен сизлердиң басшыңыз боламан, – деди.
10Гилад ақсақаллары оған:
– Жаратқан Ийе бизлерге гүўа болсын, анық айтқаныңдай болады, – деди.
11Солай етип, Ифтах Гилад ақсақаллары менен бирге кетти. Халық оны өзлерине басшы ҳәм сәркәрда етип қойды. Ифтах айтқан барлық сөзлерин Миспада, Жаратқан Ийениң алдында тәкирарлады.
12Соннан кейин, Ифтах аммон халқының патшасына елшилер жиберип: «Жеримизге урыс ашыўға келгендей, бизлердиң арамызда қандай келиспеўшилик болған еди?» – деди.
13Аммон патшасы Ифтахтың елшилерине мына жуўапты айтып жиберди: «Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Арнон дәрьясынан баслап Яббоқ ҳәм Иордан дәрьяларына дейинги жерлеримди алып қойды. Енди бул жерлерди маған урыссыз қайтарып бер».
14Ифтах аммон халқының патшасына және елшилер жиберип, 15былай деди: «Ифтах былай деп атыр: „Израил Моаб жерлерин де, аммон халқының жерлерин де алмады. 16Себеби Израил Мысырдан шыққан ўақытта шөл арқалы жүрип, Қамыс теңизине, кейин Қадешке келди. 17Соңынан Израил Эдом патшасына елшилер жиберип, жерлери арқалы өтиўге рухсат сорады. Бирақ Эдом патшасы қулақ аспады. Израил Моаб патшасына да елшилер жиберди, бирақ ол да рухсат бермеди. Сонлықтан Израил Қадеште қалды.
18Кейин Израил шөл жерлер менен жүрип, Эдом менен Моаб жерлериниң әтирапынан өтти. Олар Моаб жериниң шығыс тәрепине келип, Арнонның арғы тәрепине орналасты. Бирақ Моаб шегарасының ишине кирмеди. Өйткени Арнон моаблылардың шегарасы еди.
19Соңынан Израил Хешбонда ҳүкимдарлық етип атырған аморлардың патшасы Сихонға елшилер жиберип: „Жеримизге барыў ушын сениң елиң арқалы өтиўимизге рухсат бер“, – деди. 20Бирақ Сихон Израилдың жеринен кесип өтиўине исенбеди. Сонлықтан ол барлық әскерлерин жыйнап, Яҳасада орда қурды ҳәм Израилға урыс ашты.
21Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Сихонды ҳәм оның пүткил халқын израиллыларға тәслим қылды. Израиллылар аморларды жеңип, олар жасаған жерлердиң ҳәммесин қолға киргизди. 22Олар Арноннан Яббоқ дәрьясына, шөлден Иордан дәрьясына дейин созылған пүткил Амор жерлерин ийелеп алды.
23Енди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе аморларды Өз халқы болған Израилдың алдынан қуўғаннан кейин, оларды қайтарып алыўға сениң қандай ҳақың бар? 24Қудайың болған Кемош саған бир жер берсе, ол жерге ийелик етпес пе едиң? Бизлер де Қудайымыз Жаратқан Ийениң өзлеримизге берген жерлерине ийелик етемиз. 25Сен Моаб патшасы Сиппор улы Балақтан үстемсең бе? Ол қашан израиллылар менен тартысып, қашан олар менен урысыўға шықты? 26Израиллылар үш жүз жылдан берли Хешбон менен Ароерде ҳәм олардың әтирапындағы аўылларда, және де, Арнон жағасындағы барлық қалаларда жасап киятыр. Усы ўақытқа дейин бул жерлерди не ушын алмадыңлар? 27Мен сениң алдыңда айыплы емеспен. Бирақ сен маған қарсы урысқа шығып, наҳақлық қылып атырсаң. Жаратқан Ийе – Қазы, Оның Өзи бүгин израиллыларға ҳәм аммонларға қазылық етсин“».
28Бирақ Ифтахтың айтып жиберген бул сөзлерине Аммон патшасы қулақ салмады.
29Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Ифтахтың үстине түсти. Ифтах Гилад ҳәм Менашшеден, соңынан Гиладтағы Миспадан өтип, аммонларға қарай кетти. 30Ол Жаратқан Ийениң алдында ўәде берип былай деди: «Егер аммонларды маған тәслим қылсаң, 31оларды жеңип, саў-саламат қайтқанымда, мени күтип алыў ушын үйимниң есигинен биринши болып ким шықса, оны Жаратқан Ийеге бағышлап, жандырылатуғын қурбанлық етип беремен».
32Соннан кейин, Ифтах аммонлар менен урысыўға кетти. Жаратқан Ийе оларды Ифтахқа тәслим қылды. 33Ифтах Ароерден Миннитке шекемги жигирма қаланы ҳәм Абел-Керамимге шекемги қалаларды ўайран етип, аммонларды үлкен жеңилиске ушыратты. Солай етип, аммонлар израиллыларға бағынышлы болды.
34Ифтах Миспаға, өз үйине қайтқанда, оның қызы дәп шертип, ойынға түсип, оны күтип алыўға шықты. Бул қыз оның жалғыз перзенти болып, оннан басқа я улы, я қызы жоқ еди. 35Ифтах қызын көргенде, кийимлерин жыртып:
– Ўаҳ, қызым, жүрегимди қан етип, мени бахтықара қылдың-ғо! Өйткени мен Жаратқан Ийеге берген ўәдемди буза алмайман, – деди.
36Қыз әкесине:
– Аға, сен Жаратқан Ийеге ант иштиң. Жаратқан Ийе душпанларың болған аммонлардан сениң ушын өш алған екен, енди сен де аўзыңнан не шыққан болса, маған соны исле, – деди. 37Соңынан қыз әкесине және:
– Бир тилегим бар: маған еки ай мәўлет бер, досларым менен таўға шығып, маған турмысқа шығыў несип етпегенине жылайын, – деди.
38Әкеси қызына:
– Яқшы, бара ғой, – деп еки айға рухсат берди. Қыз дослары менен бирге таўға шығып, турмысқа шығыў несип етпегенине жылады. 39Еки айдан соң, қыз әкесиниң жанына қайтты. Әкеси берген ўәдесин орынлады. Қызға еркектиң қолы тиймеген еди.
Соннан кейин, Израилда мынадай бир дәстүр пайда болды: 40Израил халқының қызлары ҳәр жылы таўға шығып, гиладлы Ифтахтың қызы ушын төрт күн аза тутатуғын болды.

 

12

 

Ифтах ҳәм Эфрайым урыўы

 

1Эфрайым урыўы жыйналып, Сафонға қарай кешип өтти. Олар Ифтахқа:
– Аммонлар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди не ушын шақырмадың? Сонлықтан бизлер сени де, үйиңди де жағып жиберемиз, – деди.
2Ифтах оларға:
– Халқым ҳәм мен аммонлар менен қатты жәнжеллескенимизде, мен сизлерди шақырған едим. Бирақ сизлер келип, мени олардың қолынан қутқармадыңлар. 3Мени қутқармайтуғыныңызға көзим жеткенде, жанымды қәўип астына қойып, аммонларға қарсы ҳүжим жасадым. Кейин Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылды. Не ушын бүгин мениң менен урысыўға келдиңлер? – деди.
4Эфрайым урыўынан болғанлар гиладлыларға: «Ҳәй, Эфрайым ҳәм Менашше урпақлары арасында жасайтуғын гиладлылар! Сизлер Эфрайымның қашқынларысыз», – деген еди. Сонда Ифтах пүткил Гилад халқын жыйнап, Эфрайым урыўына қарсы саўашқа түсти ҳәм оларды қыйратты. 5Иордан дәрьясындағы Эфрайым урыўының жерине қарай өтетуғын өткеллерди қолға алған гиладлылар өтпекши болып келген қашқыннан: «Эфрайым урыўынанбысаң?» деп сорағанда, ол: «Яқ» десе, 6сонда оларға: «Шиболет деп айт», – дейтуғын еди[7]. Бирақ олар: «Сиболет» дейтуғын еди. Өйткени олар «шиболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди. Сол себепли оларды услап, Иордан дәрьясының өткеллеринде өлтиретуғын еди. Сол ўақытта эфрайымлылардан қырқ еки мың адам өлтирилди. 7Гиладлы Ифтах Израилда алты жыл бийлик қылды. Соннан кейин ол өлип, Гиладтың бир қаласында жерленди.

 

Ибсан, Элон ҳәм Абдон

 

8Кейин ала Израил халқына бейтлеҳемли Ибсан бийлик етти. 9Ибсанның отыз улы ҳәм отыз қызы болды. Ол қызларын басқа тийрелерге узатып, улларын да басқа урыўлардан үйлендирди. Ибсан Израилда жети жыл бийлик етти. 10Соңынан ол өлип, Бейтлеҳемде жерленди.
11Ибсаннан кейин, Израилда Зебулон урыўынан болған Элон он жыл бийлик етти. 12Ол өлип, Зебулон жериндеги Айялонда жерленди.
13Элоннан кейин, Израилда Пиратоннан болған Ҳиллел улы Абдон бийлик етти. 14Абдонның жетпис ешекке минип жүретуғын қырқ улы ҳәм отыз ақлығы болды. Абдон Израилда сегиз жыл бийлик етти. 15Пиратонлы Ҳиллелдиң улы Абдон өлип, Эфрайым жериндеги, бурын амалеклерге тийисли болған таўлы үлкедеги Пиратонға жерленди.

 

13

 

Самсонның туўылыўы

 

1Израил халқы Жаратқан Ийениң алдында және жаўыз ислер ислей баслады. Жаратқан Ийе де оларды қырқ жылға филистлердиң қолына тапсырды.
2Сора қаласынан, Дан урыўынан болған Маноах атлы бир адам бар еди. Оның ҳаялы нәсилсиз болып, ҳеш перзенти жоқ еди. 3Жаратқан Ийениң периштеси ҳаялға көринип, оған былай деди:
– Сен нәсилсиз болып, перзент көрмеген болсаң да, енди ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. 4Ендигиден былай абайлы бол, сен шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. 5Себеби сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Оның басына пәки тиймесин. Өйткени бала ана қурсағынан баслап-ақ, Қудайға бағышланған болады ҳәм ол Израил халқын филистлердиң қолынан қутқара баслайды.
6Ҳаял күйеўине былай деди:
– Қасыма Қудайдың бир адамы келди. Ол Қудайдың периштеси сыяқлы жүдә айбатлы еди. Мен оннан қай жерден келгенин сорамадым, ол да маған атын айтпады. 7Бирақ ол маған: «Сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Ендигиден былай, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. Себеби бала ана қурсағынан баслап, өлетуғын күнине дейин, Қудайға бағышланған болады», – деди.
8Сонда Маноах Жаратқан Ийеге дуўа етип: «О Ийем, Сен жиберген сол Қудайдың адамы және келиўин ҳәм туўылатуғын бала ушын не ислеўимиз кереклигин бизлерге үйретиўин жалбарынып сорайман», – деди.
9Қудай Маноахтың дуўасын еситти. Ҳаял атызда отырған ўақытта, Қудайдың периштеси оған және келди. Бирақ Маноах ҳаялының жанында жоқ еди. 10Ҳаял күйеўине хабар бериў ушын асығыс түрде жуўырып кетти ҳәм күйеўине:
– Ана бирде қасыма келген адам маған және көринди! – деди.
11Маноах турып, ҳаялының изине ерди ҳәм сол адамның жанына келип, оннан:
– Ҳаялым менен сөйлескен сиз бе? – деп сорады.
Сол адам оған:
– Аўа, мен, – деди.
12Маноах оннан:
– Сизиң айтқанларыңыз орынланғанда, бала қалай жасаўы ҳәм не ислеўи керек? – деп сорады.
13Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа былай деди:
– Ҳаялың айтқанларымның ҳәммесин орынласын. 14Ол жүзимнен исленген ҳеш бир нәрсени жемесин, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпесин ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жемесин. Буйырғанларымның ҳәммесин орынласын.
15Сонда Маноах Жаратқан Ийениң периштесине:
– Тоқтап турың. Сиз ушын бир ылақ соймақшымыз, – деди.
16Жаратқан Ийениң периштеси оған:
– Мени ириккениң менен таярлаған аўқатыңды жемеймен. Егер жандырылатуғын қурбанлық бермекши болсаң, оны Жаратқан Ийеге бер, – деди. Ал Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенлигин билмеген еди.
17Маноах Жаратқан Ийениң периштесине:
– Айтқанларыңыз орынланғанда, сизге алғыс айтыўымыз ушын, атыңыздың ким екенин айтың, – деди.
18Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа:
– Атымды не ушын сорап атырсаң? Мениң атым қупыя ат, – деди. 19Маноах бир ылақ пенен ғәлле садақасын алып, бир тастың үстинде Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. Сол ўақытта Маноахтың ҳәм оның ҳаялының көз алдында таң қаларлық ўақыя жүз берди: 20қурбанлық орыннан жалын көтерилгенде, Жаратқан Ийениң периштеси жалын менен бирге аспанға көтерилип кетти. Буны көрген Маноах ҳәм оның ҳаялы ет-бетинен жерге жығылды. 21Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа ҳәм оның ҳаялына қайтып көринбеди. Сонда Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинди. 22Маноах ҳаялына:
– Бизлер сөзсиз өлемиз, өйткени Қудайды көрдик, – деди.
23Ҳаялы оған:
– Егер Жаратқан Ийе бизлерди өлтириўди қәлегенде, онда жандырылатуғын қурбанлығымызды ҳәм ғәлле садақамызды қабыл етпеген болар еди. Ол бүгин булардың барлығын бизлерге көрсетип те, айтып та отырмас еди, – деп жуўап берди.
24Солай етип, ҳаял ул туўып, оның атын Самсон деп қойды. Бала өсип үлкейди ҳәм Жаратқан Ийе оны жарылқады. 25Сора менен Эштаол арасындағы Махане-Данда болған Самсонды Жаратқан Ийениң Руўхы басқара баслады.

 

14

 

Самсонның үйлениўи

 

1Бир күни Самсон Тимнаға барды. Ол жерде Самсон филистли бир қызды көрип қалды. 2Ол қайтып келип, ата-анасына:
– Тимнада филистли бир қызды көрдим, оны маған ҳаяллыққа алып бериң, – деди.
3Ата-анасы оған:
– Ағайин-туўғанлардың ямаса халқымыздың арасында саған қыз қурып қалып па? Не ушын сүннетсиз филистлерден қыз алмақшысаң? – деди.
Бирақ Самсон әкесине:
– Маған сол қызды алып бер, өйткени ол маған унап қалды, – деди. 4Самсонның ата-анасы буның Жаратқан Ийениң ерки екенин билмейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийе сол ўақытта израиллыларға ҳүкимдарлық етип атырған филистлерге қарсы қолайлы пурсат излеп атырған еди.
5Солай етип, Самсон ата-анасы менен бирге Тимнаға кетти. Олар Тимнадағы жүзим бағларына жақынласқанда, бир жас арыслан ақырып, Самсонның қарсы алдынан шықты. 6Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды ҳәм ол қолында ҳеш нәрсе болмаса да, арысланды ылақты бөлгендей етип, бөлип таслады. Бирақ ол бул исин ата-анасына билдирмеди. 7Соңынан Самсон барып, қыз бенен сөйлести ҳәм қыз оған унады.
8Бир неше күннен кейин, Самсон қызға үйлениў ушын және Тимнаға кетип баратырғанда, ол арысланның өлигин көриў ушын бурылды. Қараса, арысланның өлигинде пал ҳәррелериниң уясы ҳәм пал бар екен. 9Самсон палдан бир қосуўыс алып, жол-жөнекей жеп кетти. Ол ата-анасына келип, оларға да палдан берди, олар да жеди. Бирақ палды арысланның өлигинен алғанын айтпады.
10Самсонның әкеси қыздың үйине барды ҳәм Самсон да ол жерде зыяпат берди. Себеби дәстүр бойынша күйеў бала усылай ислейтуғын еди. 11Филистлер Самсонға отыз жас жигитти күйеў жора қылып жиберди. 12Сонда Самсон оларға былай деди:
– Мен сизлерге бир жумбақ айтайын. Жумбағымды зыяпаттың жети күни ишинде дурыс тапсаңыз, онда сизлерге зығырдан тоқылған отыз көйлек ҳәм баҳалы отыз шапан беремен. 13Бирақ егер жумбақты таба алмасаңлар, онда сизлер маған зығырдан тигилген отыз кийим ҳәм баҳалы отыз шапан бересизлер.
Олар Самсонға:
– Жумбағыңды айт, еситейик, – деди.
14Самсон оларға былай деди:

 

 

«Жейтуғыннан желинетуғын шықты,
Күшлиден мазалы шықты».

 

 

Арадан үш күн өтсе де, филистлер жумбақты таба алмады.
15Төртинши күни олар Самсонның ҳаялына:
– Күйеўиңди көндирип, бизлерге жумбақтың шешимин билип бер. Болмаса, бизлер сени де, әкеңниң үйин де жағып жиберемиз. Бизлерди не бул жерге тонаў ушын шақырдыңлар ма? – деди.
16Ҳаялы Самсонға жылап:
– Сен мени жек көресең, сен мени жақсы көрмейсең. Өйткени мениң халқымның жигитлерине жумбақ айттың, бирақ оның жуўабын маған айтпадың, – деди.
Самсон ҳаялына:
– Өз ата-анама айтпағанымды не ушын саған айтыўым керек? – деди.
17Ҳаял жети күн даўам етип атырған зыяпаттың қалған күнинде жылап қоймады. Ҳаялы жанына тийип қоймағанлықтан, Самсон оған жетинши күни жумбақтың жуўабын айтты. Ал ҳаял болса, жуўапты өз халқының жигитлерине жеткизди.
18Жетинши күни күн батпастан бурын, қаланың жигитлери Самсонға келип, былай деди:

 

 

«Палдан татлы,
Арысланнан күшли не бар?»

 

 

Самсон оларға:
– Егер мениң қашарым менен жер сүрмегениңизде, жумбағымды шеше алмас едиңлер, – деди.
19Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды. Самсон Ашкелонға кетти ҳәм ол жерде отыз адамды өлтирип, олардың кийим-кеншеклерин шешип алды да, оларды жумбақты шешкен адамларға әкелип берди. Кейин ол сол ғәзеплениўи менен әкесиниң үйине қайтып кетти.
20Ал Самсонның ҳаялы болса, Самсонның күйеў жораларының бирине узатылып жиберилди.

 

15

 

Самсонның өш алыўы

 

1Бир неше күннен кейин, бийдай орағының ўақтында Самсон бир ылақ алып, ҳаялын көриўге барды ҳәм ол: «Ҳаялымның бөлмесине кирмекшимен», – деди.
Бирақ ҳаялдың әкеси Самсонның кириўине рухсат бермеди 2ҳәм оған:
– Сени қызымды таслап кетти деп ойлап, оны сениң күйеў жораларыңның бирине узатып жибердим. Кишкене қызым оннан гөре сулыўырақ емес пе? Оның орнына сол қызымды ала ғой, – деди.
3Сонда Самсон:
– Енди филистлерге жаманлық қылсам да, ҳақым бар, – деди.
4Соңынан Самсон далаңлыққа шығып, үш жүз түлки услады. Ол ҳәр еки түлкиниң қуйрықларын бир-бирине байлап, қуйрықларының арасына бир шомнан байлап шықты. 5Самсон шомларды жағып, түлкилерди филистлердиң егинлериниң арасына жиберди. Солай етип, филистлердиң гүдилери, орылмаған бийдайлары, жүзим ҳәм зәйтүн бағлары жанып кетти.
6Филистлер: «Буны ким иследи?» – деп сорастырғанда, оларға: «Буны тимналының күйеў баласы Самсон иследи. Өйткени қәйин атасы оның ҳаялын күйеў жораларының бирине узатып жиберипти», – деген хабар жетти. Филистлер барды да, ҳаялды ҳәм оның әкесин жағып жиберди.
7Сонда Самсон оларға:
– Усылай ислегениңиз ушын, сизлерден өш алмай қоймайман! – деди. 8Самсон оларға аяўсыз түрде ҳүжим жасап, олардың көбисин өлтирди. Соңынан ол Этам жар тасына барып, сол жердеги бир үңгирди паналады.
9Филистлер де Яҳудаға барып, сол жерге орда қурды да, Лехийге шабыўыл жасады. 10Сонда яҳудалылар оларға: «Не ушын бизлер менен урысыўға келдиңлер?» – деп сорады. Филистлер оларға: «Бизлерге қылғанын өзине ислеў ушын, Самсонды тутып алыўға келдик», – деп жуўап берди. 11Яҳудалылардан үш мың адам Этам жар тасындағы үңгирге барып, Самсонға:
– Филистлердиң бизлерге ҳүкимдарлық қылатуғынын билмейсең бе? Сен не ушын бизлерге булай иследиң? – деди.
Самсон оларға:
– Олар маған не ислеген болса, мен де оларға соны иследим, – деп жуўап берди.
12Олар Самсонға:
– Бизлер сени байлап, филистлердиң қолына тапсырыў ушын келдик, – деди.
Самсон оларға:
– Мени өлтирмейтуғыныңызды айтып, ант ишиңлер, – деди.
13Олар Самсонға:
– Болады, бизлер сени тек байлап, олардың қолына тапсырамыз. Сөз беремиз, сени өлтирмеймиз, – деди. Соннан кейин, олар Самсонды еки таза арқан менен байлап, үңгирден шығарды. 14Самсон Лехийге жақынласқанда, филистлер оны қышқырысып күтип алды. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Самсонның үстине түсти ҳәм оның қолларына байланған арқанлар жанған сабан сыяқлы үзилип түсти. 15Самсон жаңа өлген бир ешектиң жақ сүйегин таўып, оны қолына алды да, оның менен мың адамды өлтирди. 16Соңынан ол былай деди:

 

 

«Бир ешектиң жақ сүйеги менен,
Оларды үйиндилерге айландырдым,
Бир ешектиң жақ сүйеги менен,
Мың адамды өлтирдим».

 

 

17Самсон буларды айтып болғаннан соң, жақ сүйекти ылақтырып таслады. Сол жер Рамат-Лехий[8] деп аталды.
18Бирақ Самсон қатты шөллегенликтен, Жаратқан Ийени шақырып: «Сен Өз қулыңа уллы бир жеңис бердиң. Бирақ енди мен шөлден өлип, сүннетсизлердиң қолына түсемен бе?» – деди. 19Сонда Жаратқан Ийе Лехийдеги шуқырлықты жарды ҳәм оннан суў шықты. Самсон суў ишип, ҳәлленип алды. Сонлықтан суў шыққан жерге Эн-Ҳаққоре[9] деген ат берилди. Булақ бүгин де Лехийде тур.
20Самсон филистлердиң ҳүкимдарлық дәўиринде израиллыларға жигирма жыл бийлик қылды.

 

16

 

Самсон ҳәм Делила

 

1Бир күни Самсон Газаға барды. Сол жерде бир бузық ҳаялды көрип қалып, оның менен бирге түнеди. 2Газалыларға: «Самсон усы жерге келди», – деген хабар жетиўден, олар сол дөгеректи қоршап алды да, түн бойы Самсонды аңлып, қала дәрўазасының жанында буққы таслап жатты. Олар: «Күн шығыўдан, оны өлтиремиз», – деп ойлап, түн бойы турған жеринен қыймылдамады.
3Ал Самсон түн ортасына дейин жатты. Ол түн ярымында орнынан турып, қала дәрўазасын еки жақлаў ҳәм илгиши менен қосып, орнынан қопарып алды. Оны ийнине қойып, Хебронның қарсы алдындағы таўдың төбесине апарып таслады.
4Буннан соң, Самсон Сорек ойпатлығында жасайтуғын Делила атлы бир қызға ашық болып қалды. 5Филист ҳүкимдарлары ҳаялға келип:
– Сен Самсонның қүдиретли күшиниң сыры неде екенин билип бер. Оны байлап бойсындырыўымыз ушын, қалай жеңе алатуғынымызды айтыўға ҳийле менен оны көндир. Усылай ислесең, бизлер саған ҳәр биримиз бир мың бир жүз гүмис шекелден беремиз, – деди.
6Сонда Делила Самсонға:
– Илтимас, маған бул қүдиретли күшти қай жерден алып атырғаныңды айт. Сени бойсындырыў ушын, не менен байлаў керек? – деп сорады.
7Самсон оған:
– Егер мени кеппеген жети таза гирис пенен байласа, сонда мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
8Сонда Филист ҳүкимдарлары Делилаға кеппеген жети таза оқ жайдың гирисин әкелип берди. Делила оның менен Самсонды байлады. 9Сол ўақытта ишки бөлмеде ҳаялдың жасырынып турған адамлары бар еди. Делила Самсонға:
– Самсон! Филистлер бастырып келди! – деди.
Самсон байланған гирислерди отқа жанған жип сыяқлы үзип таслады. Солай етип, оның күшиниң сыры ашылмай қалды.
10Сонда Делила Самсонға:
– Мени алдап, жалған сөйледиң. Енди айт, сени не менен байлаў керек? – деди.
11Самсон оған:
– Егер мени ҳеш қолланылмаған таза арқан менен байласа, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
12Солай етип, Делила таза арқанды алып, Самсонды байлады да:
– Самсон! Филистлер киятыр! – деди.
Сол ўақытта аңлып отырғанлар ишки бөлмеде отыр еди. Самсон қолларындағы арқанды жип сыяқлы үзип таслады.
13Делила Самсонға:
– Ҳәзирге дейин мени алдап, маған жалған сөйледиң. Маған айтшы, сени не менен байлаўға болады? – деди.
Самсон оған:
– Егер жети бурым шашымды өрмекке қосып тоқып, оны қазық пенен беккемлесең, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
14Самсон уйықлап атырғанда, Делила оның жети бурым шашын өрмекке қосып тоқыды да, қазық пенен беккемледи. Соңынан ол:
– Самсон! Филистлер киятыр! – деди.
Сонда Самсон уйқысынан оянып, өрмек ҳәм қазықты таўар менен қоса шашынан жулып алды.
15Сонда Делила Самсонға:
– Маған исенбей турып, қалайынша: «Сени жақсы көремен», – деп айта аласаң? Мине, сен мени үшинши мәрте алдап, қүдиретли күшиңниң сыры неде екенин айтпай отырсаң, – деди.
16Делила ҳәр күни усы сөзлер менен Самсонның мазасын алып, қыйнап жиберди. Ақырында бул Самсонның жанына батқанлықтан, 17ол қызға өзиниң барлық ишки сырын ашып:
– Мениң басыма ҳеш пәки тиймеген. Өйткени мен анамның қурсағына түскеннен баслап, Қудайға бағышланғанман. Егер шашымды алдырсам, мен өз күшимди жойтаман ҳәм әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди.
18Делила Самсонның ишки сырының барлығын ашып бергенин билгенде, филистлердиң ҳүкимдарларын шақыртты да:
– Және келиңлер, өйткени Самсон маған өз сырын ашты, – деди. Филист ҳүкимдарлары қолларына гүмислерин алып, Делилаға келди. 19Делила Самсонды дизесиниң үстинде уйықлатты да, адамларынан биреўин шақырып, Самсонның жети бурым шашын қырқтырды. Солай етип, Делила Самсонның үстинен бийликти өз қолына ала баслады ҳәм оның күши қайтып қалды.
20Делила Самсонға:
– Самсон! Филистлер киятыр! – деди.
Самсон оянып: «Бурынғыдай өзимди азат етемен», – деп ойлады. Бирақ ол Жаратқан Ийениң өзин таслап кеткенин билмеген еди.
21Сонда филистлер оны қолға алып, көзлерин ойып таслады. Олар Самсонды Газаға апарып, қола шынжырлар менен байлады ҳәм қамақханада оған дигирман айдатты. 22Бирақ Самсонның қырқылған шашлары өсе баслады.

 

Самсонның өлими

 

23Филист ҳүкимдарлары өз қудайы Дагонның ҳүрметине уллы байрам берип, оған қурбанлықлар бериў ҳәм кеўил көтериў ушын жыйналып: «Қудайымыз душпанымыз болған Самсонды бизлерге тәслим етти», – деди. 24Филист халқы Самсонды көргенде, өзлериниң қудайына былай деп алғыс айта баслады:

 

 

«Өлтирип көп адамларымызды,
Елимизди ўайран еткен душпанымызды,
Қудайымыз бизлерге тәслим етти».

 

 

25Олардың кейпи көтерилгенде: «Самсонды алып келиңлер, ол бизлердиң кеўлимизди көтерсин», – деди. Олар Самсонды қамақханадан әкелдирип, оны мазақ қыла баслады. Сонда оны өрелердиң арасына турғызып қойған еди. 26Самсон өзиниң қолынан услап келген хызметшиге:
– Мен усы жайды тиреп турған өрелерге қолымды қойып, оларға сүйенип турайын, – деди.
27Бутхананың иши еркек ҳәм ҳаялларға толы болып, филистлердиң барлық ҳүкимдарлары да сол жерде еди. Үш мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар Самсонды тамаша қылыў ушын тамның басында тур еди.
28Самсон Жаратқан Ийеге: «О Ийем, Жаратқан Ийе, мени есиңе ал. Жалбарынаман, маған және бир мәрте күш бер, о Қудайым. Бир умтылғанда, филистлерден еки көзим ушын өш алайын», – деп жалбарынды. 29Соңынан ол бутхананы тиреп турған орайлық өрелердиң бириншисине оң қолын, ал екиншисине шеп қолын тиреди де: 30«Филистлер менен бирге өлейин!» – деди ҳәм бар күши менен өрелерди ийтерип жиберди. Бутхана филистлердиң ҳүкимдарларының ҳәм ишиндеги адамлардың ҳәммесиниң үстине қулап түсти. Солай етип, Самсон өлип баратырып, тири ўақтында өлтиргенлеринен гөре көбирек адамларды өлтирди.
31Самсонның туўған-туўысқанлары ҳәм пүткил үй-иши келип, оның өлигин алып кетти. Олар Самсонды әкеси Маноахтың Сора менен Эштаол арасындағы қәбирине жерледи. Самсон Израилда жигирма жыл бийлик қылған еди.

 

17

 

Миханың бутлары

 

1Эфрайымның таўлы үлкесинде Миха атлы бир адам бар еди. 2Миха анасына:
– Сеннен урланған бир мың бир жүз гүмис шекел есиңде ме? Сен оны урлағанды көз алдымда ғарғаған едиң-ғо. Сол гүмис менде, оны мен алған едим, – деди.
Сонда анасы оған:
– Сени Жаратқан Ийе жарылқасын, балам! – деди. 3Миха бир мың бир жүз шекел гүмисти анасына қайтарып берди.
Ал анасы: «Улымның бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислетиўи ушын, мен бул гүмисти Жаратқан Ийеге бағышлайман. Улым, гүмисти өзиңе қайтарып берип атырман», – деди.
4Солай етип, анасы Миха қайтарып берген гүмистен еки жүз теңгени алып, оны зергерге берди. Зергер оннан бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислеп берди. Олар Миханың үйине қойылды.
5Миханың сыйыныў ушын салдырған мухаддес үйи бар еди. Ол бир эфод ҳәм үй бутларын ислетип, улларының бирин руўханий етип тайынлады. 6Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.
7Сол ўақытлары Яҳуда урыўының Бейтлеҳем қаласында жасап атырған лебийли бир жас жигит бар еди. 8Ол жасаўға басқа бир жер табыў ушын, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан шықты да, жол-жөнекей Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Миханың үйине келди.
9Миха оннан:
– Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Ол Михаға:
– Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырман. Өзим лебийлимен, жасайтуғын жер излеп жүрмен, – деди.
10Миха оған:
– Мениң үйимде қалып, мениң кеңесгөйим ҳәм руўханийим бол. Мен саған жылына он шекел гүмис берейин, тамағыңды тойдырайын ҳәм кийиндирейин, – деди. 11Солай етип, лебийли жигит Миханың үйинде жасаўға келисим берди. Миха да оны өз улындай көрди. 12Миха лебийлини руўханий етип қойды ҳәм ол Миханың үйинде жасап қалды. 13Сонда Миха: «Енди мен Жаратқан Ийениң маған жақсылық қылатуғынын билемен. Өйткени мениң лебийли руўханийим бар», – деди.

 

18

 

Данлылардың Лайышқа жайласыўы

 

1Сол дәўирде Израилда патша жоқ еди. Сонда Дан урыўы мәканлайтуғын жер излеп атырған еди. Өйткени оларға Израил урыўлары арасында өзлерине тийисли үлес жер еле берилмеген еди. 2Солай етип, данлылар өз урыўындағы барлық тийрелери ишинен Сора ҳәм Эштаол қалаларынан болған бес батыр жигитти жерлерди көзден өткерип, оларды билип қайтыў ушын жиберди. Олар жигитлерге: «Барып, жерлерди көзден өткизиңлер», – деди.
Жигитлер Эфрайымның таўлы үлкесинде жайласқан Миханың үйине келди ҳәм сол жерде түнеп қалды. 3Олар Миханың үйиниң жанында турғанда, лебийли жас жигиттиң сөйлеген сөзинен таныды ҳәм сол тәрепке бурылып, оннан:
– Сени бул жерге ким әкелди? Бул жерде не ислеп атырсаң? Не ушын бул жердесең? – деп сорады.
4Лебийли жигит Миханың өзине не ислегенлерин айтып:
– Миха мени жаллады, мен оған руўханийлик қыламан, – деди.
5Сонда данлылар оған:
– Бизлердиң баратырған бул жолымыздың сәтли яки сәтсиз екенин Қудайдан сорап, билип бер, – деди.
6Руўханий оларға:
– Қәўетерленбей кете бериңлер, Жаратқан Ийе баратырған жолыңызда яр болады, – деп жуўап берди.
7Солай етип, сол бес адам жолға шығып, Лайышқа келди. Олар қала халқының сидонлылар сыяқлы қәўипсиз, тыныш ҳәм бийғам өмир сүрип атырғанын көрди. Бул үлкениң халқына ҳүкимин өткизип, жәбир беретуғын ҳеш ким жоқ еди. Олар сидонлылардан узақта болып, ҳеш ким менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.
8Бес жигит Сора ҳәм Эштаолға, урыўласларының жанына қайтқанда, урыўласлары олардан:
– Қандай хабар алып келдиңлер? – деп сорады.
9Жигитлер оларға былай деп жуўап берди:
– Жүриңлер, сидонлыларға ҳүжим етейик. Бизлер олардың жерин көрдик, ол жүдә жақсы жер екен. Не қылып турсызлар? Иркилмей барып, оған ийелик етейик. 10Ол жерге барғаныңызда, бийғам жасап атырған халықты ҳәм жүдә кең жерди көресизлер. Ҳеш қандай кемшилиги жоқ ол жерди Қудай қолыңызға тапсырып атыр.
11Сонда Дан урыўынан алты жүз адам қуралланып, Сора ҳәм Эштаолдан жолға шықты. 12Олар Яҳудаға келип, Кирят-Ярим қаласының жанында орда қурды. Сол себепли Кирят-Яримниң батысындағы бул жер бүгинги күнге дейин Махане-Дан[10] деп аталады. 13Данлылар сол жерден Эфрайымның таўлы үлкесине қарай кетип, Миханың үйине келди.
14Лайыш журтын көзден өткериўге кеткен бес жигит урыўласларына: «Сизлер мына үйлердиң биринде эфод, үй бутлары, бир жонылған ҳәм бир қуйма бут бар екенин билесизлер ме? Енди не ислеў кереклигин өзлериңиз шешиңлер», – деди. 15Сонда олар лебийли жас жигит жасап атырған Миханың үйине келип, лебийлиден ҳал-аўҳал сорады. 16Ал қуралланған алты жүз данлы адам дәрўазаның кирер аўзында турды. 17Жерди көзден өткерген бес жигит үйге кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шықты. Руўханий ҳәм қуралланған алты жүз адам дәрўазаның кирер аўзында турған еди.
18Олардың Миханың үйине кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шыққанын көрген руўханий олардан:
– Не қылып атырсызлар? – деп сорады.
19Олар руўханийге:
– Үниңди өшир, аўзыңды жап. Сен бизлер менен бирге жүр де, бизлерге кеңесгөй ҳәм руўханий бол. Саған бир адамның үйинде руўханийлик еткениң жақсы ма, я Израилдың бир урыўы ямаса бир тийресине руўханийлик еткениң жақсы ма? – деди. 20Руўханий қуўанып кетти. Ол эфодты, үй бутларын ҳәм жонылған бутты алып, сол адамлар менен бирге кетти. 21Данлылар бала-шағаларын, малларын ҳәм дүнья-мүлкин алдына салып, жолға шықты.
22Данлылар Миханың үйинен узақласқанда, Миханың қоңсы-қобалары жыйналып, оларды қуўып жетти. 23Олар данлылардың изинен бақырғанда, данлылар артына бурылып қарап, Михаға:
– Не болып қалды, неге адамларды жыйнап келдиң? – деди.
24Миха оларға:
– Сизлер мениң руўханийимди ҳәм соқтырған бутларымды алып кеттиңлер. Маған не қалды өзи? Және меннен: «Саған не болды?» – деп сорағаныңыз неси?! – деди.
25Данлылар оған:
– Үниңди өшир! Болмаса, адамларымыздың базылары ғәзепленип, ҳүжим етсе, өзиңди де, шаңарағыңды да набыт қыласаң, – деди. 26Соннан кейин, данлылар жолларын даўам етти. Миха олардың өзинен гөре күшлирек екенлигин көрип, үйине қайтып кетти.
27Ал данлылар Миханың соқтырған затларын ҳәм руўханийин жанына алып, Лайышқа қарай кетти. Олар тыныш ҳәм бийғам қала халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди. 28Бейт-Рехобтың жанындағы ойпатлықта жайласқан Лайыш қаласына жәрдемге келетуғын ҳеш ким болмады. Өйткени Лайыш Сидоннан узақта болып, басқа қалалар менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.
Дан урыўы қаланы жаңадан қурып, сол жерге орналасып қалды. 29Олар Израилдың[11] улы болған бабасы Данның ҳүрметине қаланы Дан деп атады. Қаланың ески аты Лайыш еди. 30Данлылар жонылған бутты сол жерге орнатты. Муўсаның ақлығы болған Гершомның улы Йонатан ҳәм оның уллары сүргинге дейин Дан урыўына руўханийлик қылды. 31Қудайдың Үйи Шилода болған ўақыт даўамында, данлылар Миха ислеткен жонылған бутқа табынды.

 

19

 

Лебийли адам ҳәм оның тоқалы

 

1Израилда патша болмаған дәўирде, Эфрайымның таўлы үлкесиниң алыс түпкиринде лебийли бир адам жасайтуғын еди. Сол лебийли адам Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан өзине бир тоқал алды. 2Бирақ тоқалы оған опасызлық етти ҳәм оны таслап, әкесиниң үйине, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласына кетип қалды. Ҳаял сол жерде төрт ай болғанда, 3күйеўи оның кеўлин таўып, қайтарып алып келиў ушын изинен келди. Ол өзи менен бирге хызметшисин ҳәм еки ешегин алып келген еди. Ҳаял оларды әкесиниң үйине киргизди ҳәм ҳаялдың әкеси лебийлини көргенде, оны қуўаныш пенен күтип алды. 4Лебийлиниң қәйин атасы, яғный тоқалының әкеси оны үш күн қонақ қылды. Олар сол жерде ишип-жеди ҳәм түнеп қалды.
5Төртинши күни олар ерте турды. Қыздың әкеси кетиўге таярланып атырған күйеў баласына:
– Нан-пан жеп, ҳәлленип ал, соңынан қайтарсызлар, – деди. 6Екеўи бирге отырып, ишип-жеп болғаннан кейин, қәйин атасы оған:
– Бүгин де түнеп қалып, кеўлиңди хошла, – деди. 7Лебийли кетпекши болып орнынан турды, бирақ қәйин атасы оны және түнеп қалыўға көндирди. 8Бесинши күни лебийли кетпекши болып, азанда ерте турды. Сонда қәйин атасы:
– Ишип-жеп, ҳәлленип ал, күн аўғанша күтиң, – деди. Солай етип, екеўи бирге отырып, ишип-жеп алды.
9Сол адам тоқалы ҳәм хызметшиси менен бирге қайтпақшы болғанда, қәйин атасы оған:
– Қара, күн аўып, кеш болайын деп тур. Енди бүгин де усы жерде қонып қалып, кеўлиңди хошла. Ертең ерте турып, жолға атланып, үйиңизге қайтарсызлар, – деди. 10Бирақ сол адам ол жерде және түнеп қалыўды қәлемеди. Ол тоқалын алып, жүк артылған еки ешеги менен жолға шықты ҳәм Ебусқа, яғный Ерусалимге жақын жерге жетип келди.
11Олар Ебусқа жақынласқанда, күн батайын деп турған еди. Сонда хызметши хожайынына:
– Ебуслылардың бул қаласына кирип, усы жерде түнеп қалайық, – деди.
12Хожайыны оған:
– Яқ, халқы израиллылар болмаған жат қалаға кирмеймиз, ал Гибаға барамыз, – деди. 13Кейин лебийли сөзин даўам етип, хызметшисине:
– Жүр, Гибаға ямаса Рамаға жетип қалайық. Екеўиниң биреўинде түнеп қалармыз, – деди.
14Солай етип, олар жолын даўам етти ҳәм Бенямин урыўының Гиба қаласына жақынласқанда, қуяш та батып қалған еди. 15Олар түнеп қалыў ушын, Гибаға қарай бурылды да, барып, қала майданында отырды. Бирақ ҳеш ким оларды үйине мирәт етпеди.
16Кеште, бир ғарры атыз жумысынан қайтып киятыр еди. Ол Эфрайымның таўлы үлкесинен болып, Гибада жасайтуғын еди. Ал қала халқы болса, беняминлилер еди. 17Ғарры қала майданындағы жолаўшыларды көрип, лебийлиден:
– Қай жерден келип, қай жерге баратырсызлар? – деп сорады.
18Лебийли адам ғаррыға былай деп жуўап берди:
– Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырмыз. Эфрайымның таўлы үлкесиндеги узақ бир жерге, өзим жасайтуғын жерге кетип баратырмыз. Мен Бейтлеҳем қаласына барған едим, енди Жаратқан Ийениң үйине қайтып баратырман. Бирақ ҳеш ким мени үйине мирәт етпеди. 19Бизлерде ешеклеримиз ушын от-жем, өзим, тоқалым ҳәм хызметшим ушын аўқат ҳәм шарап бар. Бизлер ҳеш нәрсеге мүтәж емеспиз.
20Ғарры оған:
– Кеўлиң тоқ болсын. Барлық керекли нәрселерди өзим берейин, тек ғана көшеде қонып қалма, – деди. 21Ғарры оларды үйине алып барып, ешеклерине жем берди. Қонақлар аяқларын жуўып, соңынан ишип-жеди.
22Олар жаңа кеўиллерин жазып отырғанда, қалада жасаўшы бузық адамлар үйди қоршап алды. Олар қапыны қағып, үйдиң ийеси болған ғаррыға:
– Үйиңе келген адамды сыртқа шығар, бизлер оның менен жатайық, – деп бақырысты.
23Үй ийеси сыртқа шығып, оларға былай деди:
– Яқ, туўысқанларым, бундай жаўызлық қылмаңлар. Бул адам мениң үйиме келген қонағым-ғо, оған бундай масқарашылықты ислемеңлер. 24Мине, үйимде еркек қолы тиймеген қызым ҳәм бул адамның тоқалы бар. Мен оларды сыртқа шығарып берейин. Сизлер олар менен жатыңлар ҳәм оларға қәлегениңизди ислеңлер. Бирақ бул адамға бундай масқарашылықты ислемеңлер.
25Бирақ адамлар оны тыңламады. Сонда лебийли тоқалын ийтерип сыртқа шығарды да, олардың қолына тапсырды. Адамлар түн бойы ҳаялды зорлап, оның намысына тийди ҳәм таңға шамалас оны жиберди. 26Ҳаял таң сәҳәрде хожайыны қонып қалған үйдиң қапысына келип жығылды ҳәм қуяш шыққанша, сол жерде жатты.
27Ҳаялдың хожайыны жолын даўам етиў ушын азанда турып, есикти ашты. Сонда ол қолларын босағаға қойып жатырған тоқалын көрди. 28Ол ҳаялға:
– Орныңнан тур, кетемиз, – деди. Бирақ ҳаял жуўап бермеди. Лебийли оны ешегине жүклеп, үйине қарай жүрип кетти.
29Ол үйине жеткенде, қолына пышақ алды да, тоқалының өлигин он еки бөлекке бөлип, пүткил Израил жерине тарқатып жиберди. 30Буны көргенлердиң ҳәммеси: «Израиллылар Мысырдан шыққалы берли бүгинге дейин бундай ўақыя болып көрген емес. Бул туўралы ойласып, кеңесиңлер ҳәм не ислеўимиз кереклигин айтыңлар», – дести.

 

20

 

Бенямин урыўына қарсы урыс

 

1Даннан Беер-Шебаға дейинги аралықта ҳәм Гилад жеринде жасайтуғын пүткил Израил халқы жолға шықты. Олар бир жағадан бас шығарып, Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйналды. 2Қудайдың халқының бул жыйынына Израил халқының ҳәм пүткил урыўларының басшылары қатнасыўға келди. Ол жерде қуралланған төрт жүз мың әскер бар еди. 3Сол арада Бенямин урыўы израиллылардың Миспаға жыйналғанын еситкен еди.
Израиллылар:
– Бул жаўызлықтың қалай болғанын бизлерге түсиндирип бериң, – деди.
4Өлтирилген ҳаялдың лебийли күйеўи былай деп жуўап берди:
– Мен түнеў ушын тоқалым менен бирге беняминлилердиң Гиба қаласына келдим. 5Сонда Гибаның адамлары мени өлтирмекши болып, түнде үйди қоршап алды ҳәм олар тоқалымды зорлады. Тоқалым сол себепли өлди. 6Мен оның өлигин алып бөлекледим ҳәм ҳәр бир бөлекти пүткил Израил жери бойлап жибердим. Себеби олар Израилда жаўыз ҳәм уят исти иследи. 7Ҳәй, Израил халқы! Минекей, ҳәммеңиз усы жердесиз, енди сизлер бул исти қарап шығып, шешимиңизди айтыңлар.
8Сол жердеги пүткил халық бир аўыздан былай деди:
– Бизлердиң ҳеш биримиз шатырларымызға кетпеймиз, үйлеримизге қайтпаймыз. 9Енди бизлер Гибаға былай ислеймиз: оған шек бойынша ҳүжим жасаймыз. 10Әскерлерди азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын, пүткил Израил урыўларынан ҳәр жүз адамнан он, мың адамнан жүз, он мың адамнан мың адам сайлап алынады. Ал қалғанлары беняминлилердиң Гиба қаласына барып, оларды Израилда ислеген уят иси ушын жазалайды.
11Солай етип, пүткил израиллылар бир жағадан бас шығарып, Гибаға қарсы жыйналды.
12Израил урыўлары Бенямин урыўына адамларын жиберип: «Араңызда бундай жаўызлық неге исленди? 13Гибадағы сол бузық адамларды ҳәзир-ақ қолымызға тапсырың. Бизлер оларды өлтирип, Израилдан жаўызлықты түп-тамыры менен жоқ етейик», – деди.
Бирақ беняминлилер израиллы туўысқанларына қулақ салмады. 14Израиллыларға қарсы урысыў ушын, беняминлилер өз қалаларынан Гибаға келди. 15Сол күни Гиба халқынан болған сайланды жети жүз адамнан тысқары, беняминлилердиң басқа қалаларынан келген, қуралланған жигирма алты мың адам жыйналды. 16Олардың арасында солақай болған жети жүз сайланды адам бар еди. Олардың ҳәммеси, ҳәтте, бир тал шашты нышан қылып қойғанда да, сақпан менен урып тийгизе алатуғын еди.
17Беняминлилерден басқа, израиллылардан қуралланған төрт жүз мың адам жыйналды. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы еди. 18Израиллылар Бейт-Элге барып, Қудайдан: «Беняминлилер менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Биринши болып яҳудалылар урысқа шығады», – деди.
19Израиллылар азанда жолға шығып, Гибаның қарсы алдына әскерий орда қурды. 20Израиллылар Бенямин урыўы менен саўашқа түсиў ушын, Гибада сап тартып турды. 21Гибадан шыққан беняминлилер сол күни израиллылардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 22Бирақ Израил халқы бир-бирин жигерлендирип, алдынғы күни турған жеринде және сап тартып турды. 23Сонда израиллылар Бейт-Элге барып, Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин жылады ҳәм Жаратқан Ийеден:
– Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен және урысыўға шығайық па? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оларға:
– Аўа, оларға қарсы урысыңлар, – деди.
24Солай етип, израиллылар екинши күни және беняминлилерге қарсы жүрис қылды. 25Сол күни Бенямин урыўы да Гибадан оларға қарсы атланып, израиллылардан қолына қылыш көтерген және он сегиз мың адамды өлтирди.
26Сонда пүткил Израил халқы Бейт-Элге барып, ол жерде Жаратқан Ийениң алдында отырып жылады ҳәм сол күни кешке дейин ораза тутты. Және де, олар Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. 27-28Сол ўақытта Қудайдың Келисим сандығы Бейт-Элде еди. Харонның ақлығы, Элазардың улы болған Пинехас сол жерде, сандықтың жанында руўханий болып хызмет ететуғын еди. Израиллылар Жаратқан Ийеден:
– Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен урысыўды даўам етейик пе ямаса тоқтатайық па? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оларға:
– Урысты даўам етиңлер. Себеби ертең оларды сизлерге тәслим қыламан, – деди.
29Израиллылар Гибаның айналасында буққы таслап жатты. 30Олар үшинши күни беняминлилерге қарсы ҳәрекетке өтип, бурынғыдай қала қарсысында сапқа дизилип турды. 31Беняминлилер де оларға қарсы шығып, қаладан узақласып кетти. Олар Бейт-Элге ҳәм Гибаға баратуғын жолларда, ашық майданларда алдынғысы сыяқлы израиллыларды өлтире баслады. Израиллылардан отызға шамалас адам өлтирилди.
32Беняминлилер: «Өткен сапардағыдай оларды және жеңилиске ушыратамыз», – дести. Ал израиллылар болса: «Олардан қашайық ҳәм оларды қаладан узақластырып, жолларға шығарайық», – дести. 33Сонда израиллылардың барлығы өз орынларынан шығып, Баал-Тамарда сапқа дизилип турды. Гибаның әтирапында буққыда жатырған израиллылар да орынларынан атлығып шықты. 34Солай етип, пүткил Израилдан сайланған он мың адам Гибаға ҳүжим жасады. Ғыжлаған урыс басланды. Беняминлилер басына түсетуғын апаттан хабарсыз еди. 35Жаратқан Ийе беняминлилерди израиллылар алдында жеңилиске ушыратты. Израиллылар сол күни беняминлилерден қолына қылыш услаған жигирма бес мың бир жүз адамды өлтирди. 36Сонда беняминлилер жеңилиске ушырағанын түсинди. Ал израиллылар артқа шегинип, беняминлилерге жол берди. Өйткени олар Гиба айналасында буққыда жатырғанларға исенетуғын еди. 37Буққыдағылар тосаттан Гибаға ҳүжим жасап, қаладағы пүткил халықты қылыштан өткерди. 38Буққыдағылар менен израиллылар арасында келисилген бир белги бар еди. Қалаға от берилип, қойыў түтинниң аспанға көтерилиўи – ҳүжимге өтиўдиң белгиси еди. 39Сол ўақытта израиллылар саўаш майданынан артқа бурылып, ҳүжимге өтиў керек еди.
Сол арада беняминлилер израиллылардың отызға жақын адамын өлтирген еди. Сол себептен беняминлилер: «Бурынғы саўаштағы сыяқлы, израиллылар бизлерден және жеңиледи», – деди. 40Бирақ қаладан қойыў түтин көтериле баслағанда, беняминлилер артына бурылып қарап, пүткил қаладан аспанға түтин көтерилип атырғанын көрди. 41Олар изине бурылып киятырған израиллыларды көргенде, албырасып қалды. Өйткени олар басларына апат түскенин билген еди. 42Беняминлилер израиллылардан жол бойлап, шөлге қарай қашса да, урыстан қашып қутыла алмады. Ал қалалардан шыққан израиллылар да оларды қыра баслаған еди. 43Солай етип, израиллылар беняминлилерди қоршап алды ҳәм оларды Гибаның шығысындағы жерлерге дейин қуўып, қыйратты. 44Беняминлилерден он сегиз мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де мәрт әскерлер еди. 45Олардың аман қалғанлары шөлге, Риммон жартасына қарай қаша баслады. Израиллылар жол-жөнекей олардан және бес мың адамды өлтирди. Оларды Гидомға дейин қуўып барып, және еки мыңын өлтирди.
46Сол күни беняминлилерден ҳәммеси болып жигирма бес мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де қолына қылыш услаған мәрт әскерлер еди. 47Бирақ алты жүз адам шөлге қашып барып, Риммон жартасын паналады. Олар сол үңгирде төрт ай қалды. 48Израиллылар беняминлилерге қайтып барып, қалалардағы адамларды, малларды ҳәм дус келгенниң ҳәммесин қылыштан өткерди. Алдыларынан шыққан барлық қалаларға от берди.

 

21

 

Беняминли жигитлердиң үйлендирилиўи

 

1Израиллылар Миспада: «Ҳеш биримиз беняминлилерге қыз бермеймиз», – деп ант ишкен еди.
2Халық Бейт-Элге келди ҳәм сол жерде Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин отырып, дад салып, зар жыласты. 3Олар: «О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Неге Израилда булай болды? Не ушын Израилдың бир урыўы жоқ болып кетти?» – деди.
4Келеси күни халық азанда ерте турды да, қурбанлық орын ислеп, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды.
5Сонда израиллылар: «Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынымызға Израил урыўларынан қайсы урыў келмей қалды?» – деп сорады. Себеби олар Миспаға, Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынға келмегенлердиң сөзсиз өлтирилетуғынын айтып, қатаң ант ишкен еди. 6Израиллылар беняминли туўысқанлары ушын қайғырысып, былай деди: «Израил бүгин бир урыўынан айырылды. 7Аман қалған беняминлилерге ҳаял болатуғын қызларды қаяқтан табамыз? Себеби бизлер қызларымызды оларға ҳаяллыққа бермеймиз деп, Жаратқан Ийениң алдында ант ишкен едик».
8Соңынан олар: «Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына Израил урыўларынан ким келмеди?» – деп сорады. Солай етип, ордадағы жыйынға Ябеш-Гиладтан ҳеш кимниң келмегени мәлим болды. 9Өйткени келгенлер көзден өткерилгенде, Ябеш-Гиладтан ҳеш ким жоқ еди.
10Сонлықтан жыйналғанлар Ябеш-Гиладқа он еки мың мәрт әскерди жиберип, оларға былай деди: «Барыңлар, Ябеш-Гилад халқын, сондай-ақ ҳаял ҳәм балаларын да қылыштан өткериңлер. 11Орынлайтуғын исиңиз мынадан ибарат: ҳәр бир еркекти ҳәм еркек қолы тийген ҳәр бир ҳаялды өлтириңлер». 12Олар Ябеш-Гилад халқы арасынан еркек қолы тиймеген төрт жүз қыз таўып, оларды Кенаан жериндеги Шилодағы ордаға алып келди.
13Соңынан барлық жыйналғанлар Риммон үңгириндеги беняминлилерге адам жиберип, тынышлық жәриялады. 14Сонда беняминлилер қайтып келди. Жыйналғанлар Ябеш-Гилад халқынан тири қалдырылған қызларды оларға ҳаяллыққа берди. Бирақ қызлардың саны олардың ҳәммеси ушын жеткиликсиз болып шықты.
15Израил халқы беняминлилердиң жағдайына қайғырды. Өйткени Жаратқан Ийе Израил урыўларының бирлигин бузған еди. 16Жыйындағы ақсақаллар: «Беняминлилердиң барлық ҳаяллары өлтирилгенликтен, қалған еркеклерди үйлендириў мәселесин қалай шешемиз?» – деди. 17Ақсақаллар даўам етип: «Израилдан бир урыў жоқ болып кетпеўи ушын, тири қалған беняминлилердиң мийрасхорлары болыўы керек. 18Бизлер оларға қызларымызды ҳаяллыққа бере алмаймыз. Себеби: „Беняминлилерге қыз берген ҳәр бир израиллы нәлетленсин“, – деп ант ишкен едик», – деди. 19Соңынан олар: «Минекей, Шилода ҳәр жылы Жаратқан Ийеге арнап байрам өткизиледи», – деди. Шило Бейт-Элдиң арқа тәрепинде, Бейт-Элден Шехемге кететуғын жолдың шығысында, Лебонаның қубласында жайласқан еди.
20Солай етип, олар беняминлилерге былай деп үйретти: «Барып, жүзим бағы ишинде жасырынып турыңлар. 21Дыққат пенен қарап турыңлар. Шилоның қызлары ойынға шыққанда, дәрҳал жүзим бағынан шығып, ҳәр бириңиз бир қыздан услап алыңлар да, Бенямин жерине алып қашыңлар. 22Қызлардың әкелери ямаса әжағалары бизлерге шағым жасап келсе, бизлер оларға: „Беняминлилерди бизлер ушын кешириңлер. Өйткени тутқынға алған қызларымыз ҳәммесине жетпеди. Ал сизлер қызларыңызды өз қәлеўиңиз бенен бермегениңиз ушын, айыплы саналмайсызлар“, – деп айтамыз». 23Беняминли жигитлер усылай иследи. Қызлар ойынға түскенде, ҳәр бир жигит бир қыздан алып қашты. Олар өзлериниң жерлерине қайтып барып, қалалар салды ҳәм сол жерде жасай баслады.
24Соңынан Израил халқы сол жерден тарқап, ҳәр бири өз урыўына, тийресине ҳәм үлесине тийген жерлерине қайтты.
25Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.

 

 

 

Рут

Рут китабы

 

 

1

 

Элимелех шаңарағы менен Моаб жерине көшип барыўы

 

1Израилды бийлер басқарған дәўирде елде ашаршылық болды. Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан бир адам ҳаялы ҳәм еки улы менен бирге бир қанша ўақыт жасап турыў ушын Моаб[1] елине көшип кетти. 2Ол адамның аты Элимелех, ҳаялының аты Нағыйма, улларының атлары болса Махлон ҳәм Килйон еди. Эфратлы болған бул адамлар Яҳуданың Бейтлеҳем қаласының турғынлары еди. Олар Моаб елине жетип келип, сол жерде жасап қалды.
3Арадан бир қанша ўақыт өткеннен кейин, Нағыйманың күйеўи Элимелех қайтыс болды. Ол еки улы менен жесир болып қалды. 4Оның еки улы моаблы қызларға үйленди: биринши келининиң аты Орпа, ал екинши келининиң аты Рут еди. Моабта жасағанына он жылдай болғанда, 5Махлон да, Килйон да бул дүньядан көз жумды. Солай етип, Нағыйма күйеўинен ҳәм еки улынан айырылып, жалғыз қалды.

 

Нағыйма менен Руттың Бейтлеҳемге қайтыўы

 

6Моаб елинде жүрген Нағыйма: «Жаратқан Ийе Өз халқына нәзерин түсирип, оларға нан берди», – деген гәпти еситип, келинлери менен бирге өз елине қайтыўға бел байлады. 7Олар жасаған жерин – Моаб елин таслап, Яҳудаға қарай жолға шықты.
8Жолда киятырып, Нағыйма келинлерине:
– Барыңлар, екеўиңиз де төркиниңизге қайтыңлар. Сизлер марҳум күйеўлериңизге ҳәм маған қандай жақсылық қылған болсаңыз, Жаратқан Ийе де сизлерге сондай жақсылық қайтарсын. 9Жаратқан Ийе сизлердиң ҳәр бириңизге күйеў берип, үйли-жайлы болып кеткейсиз! – деп, олардың бетлеринен сүйди. Бирақ олар зар жыласып:
10– Яқ, бизлер сениң менен бирге сениң халқыңа баражақпыз, – деди.
11Сонда Нағыйма келинлерине былай деди:
– Қызларым, үйлериңизге қайтыңлар! Мениң менен кеткениңизден не пайда? Сизлерге күйеў болғандай, қурсағымда балам бар ма еди?[2] 12Барыңлар, кейниңизге қайтыңлар, қызларым! Мен енди қартайдым, күйеўге шыға алмайман. Егер де мен еле де үмит қылсам болады, деп усы түни күйеўим менен қосылып уллар туўсам да, 13олар ержеткенше сизлер күтип отырар ма едиңиз? Соларға қарап, турмысқа шықпай жүрер ме едиңиз? Яқ, қызларым, Жаратқан Ийе мени соншама бахытсызлықларға дуўшар етти. Мениң қайғы-ҳәсиретим сизлердикинен де күшлирек.
14Келинлер және зар жыласты. Ақыры Орпа енеси менен сүйисип хошласты. Ал Рут болса енесинен айырылғысы келмей, оның менен бирге қалды.
15Нағыйма Рутқа:
– Мине, абысының өз халқына ҳәм өз қудайына[3] қайтып баратыр. Сен де оның изине ерип кете бер! – деди.
16Бирақ Рут былай деди:
– Сени таслап кетиўге мени мәжбүр етпе! Сен қай жерге барсаң, мен де сол жерге бараман, сен қай жерде болсаң, мен де сол жерде боламан. Сениң халқың мениң халқым, сениң Қудайың мениң Қудайым болады. 17Сен қай жерде дүньядан көз жумсаң, мен де сол жерде өлип, жерленемен. Егер де мен өлимнен басқа бир себеп пенен сеннен айырылсам, Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын.
18Нағыйма Руттың өзи менен бирге кетиўге қатаң қарар еткенин көрип, оны қайтып үгитлемеди.
19Сөйтип екеўи Бейтлеҳемге қарай жүрип кетти. Олар Бейтлеҳемге жетип келгенде, барлық қала халқы жанланып кетип, ҳаяллар:
– Ҳаў, бул Нағыйма емес пе? – дести.
20Нағыйма оларға былай деди:
– Мени енди Нағыйма[4] деп емес, ал Мара[5] деп атаңлар. Себеби Қүдирети күшли Қудай мениң басыма көп қайғы-ҳәсирет салды. 21Бул жерден кеткенимде мен ҳәммесине ийе едим, бирақ Жаратқан Ийе мени қуры қол қайтарды. Неге мени Нағыйма деп атап атырсызлар? Қүдирети күшли Қудай мени азап-ақыретлерге дуўшар қылып, бахытсыз етти-ғо.
22Солай етип, Нағыйма Моаб елинен келини болған моаблы Рут пенен бирге қайтты. Олар Бейтлеҳемге келген ўақытта арпа орағы басланған еди.

 

2

 

Рут ҳәм Боаздың ушырасыўы

 

1Нағыйманың күйеўи Элимелехтиң Боаз деген тийрелес ағайини бар еди. Ол абырайлы ҳәм бай адам еди. 2Бир күни моаблы Рут Нағыймаға:
– Мен атызға барайын. Мийримли биреўди ушыратсам, соның атызынан масақ терип келейин[6], – деди.
– Яқшы, қызым, бара ғой, – деди Нағыйма.
3Рут атызға барды да, орақшылардың изинен жүрип, масақ тере баслады. Бул егислик майдан Элимелехтиң тийрелес ағайини Боаздың меншик жери болып шықты.
4Сол ўақытта Бейтлеҳемнен Боаз келип, орақшыларға:
– Ҳармаңлар, Жаратқан Ийе сизлерге күш-қуўат берсин! – деди.
Орақшылар оған:
– Бар болың, сизди Жаратқан Ийе жарылқасын! – деди.
5Боаз олардың басқарыўшысынан:
– Бул жас келиншек ким? – деп сорады.
6Орақшылардың басқарыўшысы былай деп жуўап берди:
– Бул Моаб елинен Нағыйма менен бирге келген моаблы жас келиншек. 7Ол маған: «Орақшылардың изинен жүрип, баўлардың арасына түскен масақты териўиме рухсат етиң», – деген еди. Шертекте азғантай ғана дем алғаны болмаса, ерте азаннан усы ўақытқа дейин тынбай атызда ислеп атыр.
8Боаз Рутқа қарап:
– Қызым, сөзиме қулақ сал. Масақ териў ушын басқа атызға бармай-ақ қой. Усы жерде, мениң хызметши қызларымның қасында жүрип, тере бер. 9Орақшылар қайсы атызды орса, нәзериң сол жерде болып, қызлардың кейнинен жүре бер. Жигитлерге саған тиймеўге буйрық бердим. Егер шөллесең барып, жигитлер толтырып қойған ыдыстан суў ише бер, – деди.
10Рут Боаздың алдында ет-бетинен жығылып, тәжим етти де:
– Мен бир жат жерли адам болсам да, неге сиз маған нәзер аўдарып, мийримлилик көрсетип атырсыз? – деди.
11Боаз оған былай деп жуўап берди:
– Күйеўиң қайтыс болғаннан кейин, енеңе нелерди ислегениңниң ҳәммесин еситтим. Сен ата-анаңды ҳәм өз ўатаныңды таслап, бурын өзиң танымаған халық арасына жасаўға келдиң. 12Бул жақсы ислериң Жаратқан Ийеден қайтсын! Сен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қолы астынан пана излеген екенсең, Оның Өзи сени мол-мол етип сыйлықласын.
13Сонда Рут:
– Ендигиден былай да, маған деген мийримлилигиңиз таўысылмасын, мырзам! Мен сизиң шорыларыңыздың бирине де арзымайман. Бирақ сиз мендей қулыңызға жубаныш бердиңиз ҳәм жыллы сөйледиңиз, – деди.
14Түслик ўақты келгенде, Боаз оған:
– Берман кел, наннан алып, сирке суўына батырып же, – деди.
Рут орақшылардың жанына барып отырды. Боаз оған қуўырмаштан узатты. Рут жеп тойып алды ҳәм жегенинен аўыстырып алып қойды.
15Соннан кейин Рут масақ териў ушын орнынан турып кеткенде, Боаз жигитлерге былай деп буйырды: «Рут баўлар қасынан да масақ тере берсин, оны қапа қылыўшы болмаңлар. 16Ҳәттеки, оған дәстелерден шашып қалдырып кетиңлер. Ол терип алсын, оның кеўлине тиймеңлер».
17Солай етип, Рут кешке дейин атызда масақ терди ҳәм тергенлерин түйип, суўырғанда бир эфаға шамалас бийдай алды[7]. 18Рут дәнди көтерип қалаға қарай жүрип кетти. Ол терип келген дәнин енесине көрсетти ҳәм түсте өзи жеген азығынан аўыстырып қалдырғанын оған берди. 19Енеси Рутқа:
– Бүгин қай жерде масақ тердиң, қай жерде иследиң? Саған нәзерин аўдарған адамды Қудай жарылқасын! – деди.
Рут кимниң атызында жумыс ислегенин енесине айтып:
– Бүгин мен ислеген егислик жердиң ийеси Боаз деген адам, – деди.
20Нағыйма келинине:
– Тирилерден ҳәм марҳумлардан[8] Өз мийрим-шәпәәтин аямаған Жаратқан Ийе сол адамды жарылқасын, – деди. Нағыйма және даўам етип: – Ол киси бизлерге жақын адам, әменгерлеримиздиң бири болады, – деди.
21Моаблы Рут былай деди:
– Аўа, ҳәттеки, ол маған: «Хызметшилерим жыйын-терим ислерин тамамлағанша, олар менен бирге жүре бер», – деген еди.
22Нағыйма өз келини Рутқа:
– Жүдә жақсы, қызым, сол адамның хызметши қызлары менен бирге жүре бергениң жақсырақ. Басқаның атызына барсаң, саған азар бериўи мүмкин, – деди.
23Солай етип, Рут арпа ҳәм бийдай орағының ақырына дейин Боаздың хызметши қызларынан айырылмады. Ол масақ терип, енеси менен бирге жасай берди.

 

3

 

Руттың Боазға өз өтинишин билдириўи

 

1Бир күни қәйин енеси Нағыйма Рутқа былай деди:
– Қызым, өзиңе жақсы болыўы ушын, сениң үйли-жайлы болып кетиўиңе мен жәрдем бериўим керек емес пе екен? 2Айтпақшы, сен өзиң хызметшилери менен бирге жумыс ислеген сол Боаз бизлердиң жақын ағайинимиз-ғо. Минекей, бүгин түнде ол қырманда арпасын суўырады. 3Енди сен жуўынып, үстиңе әтир сеўип, шырайлы кийимиңди кийип ал, соннан кейин қырманға бар. Бирақ Боаз қашан ишип-жеп болмағанша, оған көринбе. 4Ол уйықлаўға жатқанда, жатқан жайын билип ал. Соннан кейин бар да, оның аяқ уш бетин ашып, сол жерде жат[9]. Ол саған не ислеўиң кереклигин өзи айтады.
5Рут енесине:
– Маған айтқанларыңның ҳәммесин орынлайман, – деди.
6Соннан кейин Рут қырман басына барып, енесиниң тапсырғанларының ҳәммесин орынлады. 7Боаз ишип-жеп, кеўли көтерилди ҳәм гүдиниң қасына барып, уйықлаўға жатты. Рут әстен сездирмей келди де, оның аяқ уш бетин ашыңқырап жатты.
8Түнниң ортасында Боаз шоршып оянып кетти. Ол бурылып қарап, аяқ уш бетинде бир ҳаялдың жатырғанын көрди ҳәм оннан:
9– Сен кимсең? – деп сорады.
Рут оған:
– Мен сизиң шорыңыз Рутпан. Шорыңызды өз панаңызға алсаңыз, себеби сиз әменгеримиз боласыз, – деди.
10Боаз оған былай деди:
– Қызым, сени Жаратқан Ийе жарылқасын! Сениң бул соңғы жақсылығың алдынғысынан да уллы. Себеби сен я кәмбағал болсын, я бай болсын, жас жигитлер арасынан өзиңе күйеў излемедиң. 11Енди қәўетерленбе, қызым. Айтқанларыңның ҳәммесин орынлайман. Пүткил қала халқы сениң адамгершиликли ҳаял екениңди биледи. 12Мениң сизлерге әменгер екенлигим дурыс, бирақ меннен де жақынырақ әменгериңиз бар. 13Бүгин түнде усы жерде қонып қал. Ертең азанда сол ағайиниң әменгерлик ўазыйпасын орынлаўға ыразы болса, онда жүдә жақсы. Егер де ол әменгерлик ўазыйпасын орынлаўды қәлемесе, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул ўазыйпаны мен орынлайман. Енди таңға дейин жата тур.
14Солай етип, Рут Боаздың аяқ уш бетинде таң атқанша жатып қалды. Бирақ ол таң саз берип, адамлар бир-бирин танымайтуғын ўақытта турды. Өйткени Боаз: «Қырманға ҳаял адамның келгенин ҳеш ким билмесин», – деген еди.
15Боаз Рутқа:
– Жаўлығыңды жайып, услап тур, – деди.
Рут жаўлығын жайып, услап турды. Боаз жаўлыққа алты өлшем[10] арпаны өлшеп салып, ийнине арқалатып жиберди. Кейин өзи де қалаға қарай жүрип кетти.
16Рут үйине қайтып келгенде, енеси оннан:
– Қызым, не болды? – деп сорады.
Рут өзине Боаздың не ислегениниң ҳәммесин айтып берди. 17Соңынан Рут: «Ол маған: „Қәйин енеңниң алдына қуры қол барма“, – деп мына алты өлшем арпаны берип жиберди», – деди.
18Енеси оған:
– Қызым, усы истиң ақыры не болатуғынын билгениңше күтип тур. Себеби ол адам бул исти бүгин ақырына жеткермегенше тыным таппайды, – деди.

 

4

 

Боаздың Рутқа үйлениўи

 

1Боаз қала дәрўазасының жанына[11] барып отырды. Қараса, өзи айтқан әменгери қасынан өтип баратыр екен. Боаз оны шақырып: «Туўысқаным, берман келип, мына жерге отыр», – деди. Сол адам келип отырды. 2Соңынан Боаз қала ақсақалларынан он адамды жыйнап алып, оларға: «Келиңлер, сизлер де усы жерде отырыңлар!» – деди. Олар келип отырды. 3Сонда Боаз сол әменгерге былай деди:
– Моаб елинен қайтып келген Нағыйма ағайинимиз Элимелехке тийисли жер үлесин сатпақшы. 4Мен саған мынаны мәлим етпекшимен: усы жерде отырғанлар ҳәм халқымның ақсақаллары алдында сен сол жерди сатып ал. Егер сен әменгерлик ўазыйпасын орынламақшы болсаң, орынла. Егер де орынлаўды қәлемесең, онда маған айт, мен билейин. Себеби бул ўазыйпаны орынлаў биринши гезекте сениң мойныңда. Ал сеннен кейинги нәўбет меники.
Сол адам:
– Мен әменгерлик ўазыйпамды орынлайман, – деди.
5Боаз оған:
– Егер сен Нағыймадан жерди сатып алатуғын болсаң, онда марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, оның моаблы жесир ҳаялы Рутты да ҳаяллыққа алыўың керек, – деди.
6Сол әменгери Боазға:
– Олай болса, мен әменгерлик ўазыйпамды орынлай алмайман. Себеби өз мүлкимди жоғалтып алыўым мүмкин[12]. Жақсысы, бул ўазыйпаны сен орынла, өйткени мен орынлай алмайман, – деди.
7Әййемги Израилда мынадай дәстүр бар еди: егер биреў әменгерлик ўазыйпасын орынлайтуғын ямаса мал-мүликлерин алыс-берис қылатуғын болса, онда буның дәлили сыпатында биреўи аяқ кийимин шешип, екиншисине беретуғын еди. Мине, бул Израилда тастыйықланған гүўалықтың орнын басатуғын еди.
8Солай етип, сол әменгер Боазға:
– Өзиң сатып ала бер, – деди де, аяқ кийимин шешип, оған берди.
9Боаз ақсақалларға ҳәм барлық халыққа қарап былай деди:
– Бүгин сизлер мынаған гүўасызлар: мен Нағыймадан марҳум Элимелех, Килйон ҳәм де Махлонның барлық мүлкин сатып алып атырман. 10Және де, мен марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, Махлонның жесири, моаблы Рутты ҳаяллыққа аламан. Марҳумның туўысқанлары арасында ҳәм өзи жасаған қалада аты өшпесин. Бүгин сизлер усыған гүўасызлар.
11Дәрўаза жанында болған пүткил халық ҳәм ақсақаллар:
– Бизлер гүўамыз. Сениң үйиңе киретуғын ҳаялды Жаратқан Ийе Израил халқының еки түпки анасы Раҳила ҳәм Леадай[13] қылғай. Эфратада[14] байлықлар ийеси болғайсаң, Бейтлеҳемде атың уллы болғай. 12Жаратқан Ийениң усы жас ҳаялдан саған беретуғын балалары арқалы сениң урпағың Тамараның Яҳудаға[15] туўып берген улы Перестиң[16] урпағындай болғай, – деди.

 

Даўыт патшаның шежиреси

 

13Солай етип, Боаз Рутты ҳаяллыққа алып, оған үйленди. Боаз Рут пенен қосылды ҳәм Жаратқан Ийе Руттың қурсағына бала берип, ол ул туўды.
14Ҳаяллар Нағыймаға: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол бүгин сени әменгерсиз қалдырмады. Баланың аты Израилда даңқ-атаққа ийе болсын! 15Ол сениң өмириңди жаңартады, қартайғанда бағыўшың болады. Себеби оны сени жақсы көретуғын келиниң туўып берди. Усы келиниң сениң ушын жети улдан да артығырақ», – деди.
16Нағыйма баланы қолына алып, баўырына басты ҳәм өзи бағып тәрбиялады. 17Қоңсы ҳаяллар: «Нағыйма уллы болды», – деп, балаға ат қойып, оны Обид деп атады. Обид Ишайдың әкеси, Ишай Даўыттың әкеси болды.
18Перестиң шежиреси мынадай:

 

 

Перестен Хесрон туўылды,
19Хесроннан Рам туўылды,
Рамнан Амминадаб туўылды,
20Амминадабтан Нахшон туўылды,
Нахшоннан Салмон туўылды,
21Салмоннан Боаз туўылды,
Боаздан Обид туўылды,
22Обидтен Ишай туўылды,
Ишайдан Даўыт туўылды.

 

 

 

Патшалық ҳаққында 1-китап

Патшалық туўралы биринши китап

 

 

1

 

Самуелдиң туўылыўы

 

1Эфрайымның таўлы үлкесиниң Рама қаласында Эфрайым урыўының Суф тийресинен болған Элқана деген бир адам жасайтуғын еди. Ол Суфтың қуўлығы, Тохудың шаўлығы, Элиҳудың ақлығы ҳәм Ерохамның улы еди. 2Элқананың Ханна ҳәм Пенинна атлы еки ҳаялы бар еди. Пениннаның балалары болды, ал Ханна қурсақ көтермеди. 3Элқана Әлемниң Жаратқан Ийесине сыйынып, Оған қурбанлық бериў ушын ҳәр жылы өз қаласынан Шилоға баратуғын еди. Ол жерде Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас Жаратқан Ийениң руўханийлери еди. 4Элқана қурбанлық шалған күни ҳаялы Пениннаға ҳәм оның ул-қызларына пайларын бергенде, 5Ханнаға жақсы жеринен пай беретуғын еди. Себеби Қудай Ханнаны нәсилсиз қылып қойған болса да, Элқана оны сүйетуғын еди. 6Бирақ Пенинна Жаратқан Ийениң перзент бермегенин күндесиниң бетине басып, оған бәрқулла азап беретуғын еди. 7Бул ҳәр жылы даўам етти. Ханна Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр келгенде, күндеси оған азап беретуғын еди. Ал ол жылап, ҳеш нәрсе жемейтуғын еди. 8Сонда күйеўи Элқана оған: «Ханна, неге жылайсаң, неге аўқат жемейсең? Неге буншама қайғылысаң? Мен сен ушын он улдан артық емеспен бе?» – дейтуғын еди.
9Бир күни олар Шилода ишип-жеп болғаннан кейин, Ханна орнынан турды. Сонда руўханий Элий Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы өз орынлығында отыр еди. 10Ханнаның жүреги қайғыға толып, өксип жылаўы менен Жаратқан Ийеге дуўа етти. 11Ол былай деп ўәде берди: «О, Әлемниң Жаратқан Ийеси! Егер Сен қулыңның қайғысына нәзер салып, мени еске алсаң ҳәм Өз қулыңды умытпай, оған бир ул сыйласаң, мен оны пүткил өмир бойы Саған бағышлайман. Оның басына ҳеш қашан пәки тиймейди[1]».
12Ханна Жаратқан Ийеге усылай дуўа етиўин даўам етип турғанда, Элий оның аўзын гүзетип отырды. 13Ханна ишинен дуўа еткенликтен, оның тек еринлери жыбырлап турды, ал даўысы еситилмеди. Сол себептен Элий оны мәс деп ойлап қалды. 14Элий оған:
– Мәскүнемликти қашанға шекем даўам етесең? Ишкенди тоқтат, – деди.
15Сонда Ханна Элийге:
– Яқ, мырзам, олай емес. Мен бир қайғыға батқан ҳаялман. Мен шарап та, өткир ишимлик те ишкен жоқпан. Тек жүрегимдеги қайғымды Жаратқан Ийеге төгип атырман. 16Қулыңызды уятсыз ҳаял деп ойламаңыз. Қайғы-ҳәсиретим күшли болғанлықтан, усы ўақытқа дейин жалбарынып турман, – деп жуўап берди.
17Сонда Элий оған:
– Аман-есен қайта бер. Израилдың Қудайы тилегиңди орынласын, – деди.
18Ханна оған:
– Маған кеўлиңиз толсын, – деди де, өз жолына түсти. Соңынан ол аўқатланды, оның жүзи де бурынғыдай қайғылы болмады. 19Олар ертеңине азанда ерте турып, Жаратқан Ийеге сыйынғаннан соң, Рамадағы өз үйине қайтып келди. Элқана ҳаялы Ханна менен жақынласты ҳәм Жаратқан Ийе Ханнаны есине алды. 20Ханна ҳәмиледар болып, ўақты келгенде бир ул туўды. Ханна: «Мен оны Жаратқан Ийеден тилеп алғанман», – деп оған Самуел[2] деп ат қойды.

 

Ханнаның Самуелди Қудайға бағышлаўы

 

21Элқана Жаратқан Ийеге жыллық қурбанлығын ҳәм ўәде етип атаған қурбанлығын бериў ушын пүткил хожалығы менен бирге Шилоға кетти. 22Бирақ Ханна олар менен бирге кетпеди. Ол күйеўине:
– Бала емшектен шыққаннан кейин, оны Жаратқан Ийеге хызмет етиўге алып бараман. Ол Жаратқан Ийениң алдында болып, мәңгиге сол жерде қалады, – деди.
23Күйеўи Элқана оған:
– Нени мақул тапсаң, соны исле. Баланы емшектен шығарғаныңша, усы жерде бол. Жаратқан Ийе саған ўәдеңде турыўға жәрдем берсин, – деди.
Солай етип, Ханна улын емшектен шығарғанға шекем үйде болып, оны емизди. 24Бала емшектен шыққаннан соң, Ханна баланы, үш жасар буғаны, бир эфа[3] унды ҳәм бир мес шарапты алып, Жаратқан Ийениң Шилодағы Үйине барды. Бала еле жас еди. 25Олар буғаны сойғаннан кейин, баланы Элийге апарды. 26Соңынан Ханна Элийге былай деди: «О, мырзам! Алдыңызда ант ишип айтаман: мен усы жерде, сизиң жаныңызда турып, Жаратқан Ийеге дуўа еткен ҳаялман. 27Мен Жаратқан Ийеден мына баланы сорап, дуўа еткен едим. Ол мениң тилегимди орынлады. 28Мен де оны Жаратқан Ийеге бағышлайман. Ол бир өмир Жаратқан Ийеге хызмет етеди».
Соңынан олар сол жерде Жаратқан Ийеге сыйынды.

 

2

 

Ханнаның дуўасы

 

1Ханна былай деп дуўа етти:

 

 

«Жүрегим Жаратқан Ийе менен шадланар,
Оның Өзи маған күш берди.
Душпанларым алдында тилим узайып,
Оның қутқарғанына қуўанаман.
2Ҳеш ким жоқ Жаратқан Ийедей мухаддес,
Аўа, Сен сыяқлы ҳеш ким жоқ о, Жаратқан Ийе!
Қорған да жоқ Қудайымыз сыяқлы!
3Артық менменсип сөйлегенди тоқтатың,
Аўзыңыздан тәкаббир сөзлер шықпасын.
Себеби Жаратқан Ийе ҳәммесин билиўши Қудай-ғо,
Ҳәр бир исти тәрезиге тартыўшы да Ол.
4Күшлилердиң оқ жайлары сынар,
Күшсизлер күшке толар.
5Тоқлар нан ушын жалланып,
Ашлар тояр,
Нәсилсизлер жетеўин туўып,
Көп уллы ҳаяллар бийперзент қалар.
6Жаратқан Ийе өлтиреди де, тирилтеди де,
Өлилер мәканына түсиреди де, шығарып алады да.
7Ол кимисин жарлы қылып, кимисин байытар,
Кимисин қулатып, кимисин жоқарылатар.
8Жарлыны топырақтан көтерип алып,
Бийшараны тасланды арасынан алып шығар.
Отырғызып ақсүйеклер менен,
Ҳүрмет тахтын берер.
Өйткени жер тийкары Жаратқан Ийе қолында,
Сол тийкар үстине Ол дүньяны орнатқан.
9Жаратқан Ийе садық қулларының адымларын қорғар,
Ал жаманлар қараңғылықта жоқ болар,
Себеби өз күши менен жеңиске ериспес инсан.
10Жаратқан Ийеге қарсы турғанлар шыл-пәрше болар,
Жаратқан Ийе оларға қарсы көклерди гүркиретер,
Пүткил дүньяны Ол ҳүким қылар,
Өз патшасын күшке толтырып,
Майлаған адамын даңққа еристирер».

 

 

11Соңынан Элқана Рамаға, үйине қайтып кетти. Ал кишкене Самуел болса, руўханий Элийдиң қолында Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.

 

Элийдиң улларының жаман ислери

 

12-13Элийдиң уллары жарамас адамлар еди. Олар Жаратқан Ийени менсинбеди ҳәм халық алдындағы руўханийлик ўазыйпасына ҳүрметсизлик етти. Биреў қурбанлық шалып, гөш қайнатып атырғанда, руўханийлердиң хызметшиси қолына үш тисли шанышқыны алып келетуғын еди. 14Ол шанышқыны шүлен қазанға, қазанға, табаға ямаса табаққа тығып, оған илингенниң ҳәммесин руўханий ушын алатуғын еди. Олар Шилоға келген израиллылардың ҳәммесине усылай ислейтуғын еди. 15Ҳәтте, қурбанлықтың майлары түтетип жандырыў ушын ажыратып алынбастан бурын руўханийдиң хызметшиси келип, қурбанлық шалған адамға: «Руўханийге қуўырыў ушын шийки гөш бер. Ол сеннен пискен гөш емес, ал шийки гөш алады», – дейтуғын еди. 16Егер қурбанлық шалған адам: «Дәслеп майды түтетип жандырайық, соңынан қәлегениңди аларсаң», – десе, хызметши оған: «Яқ, ҳәзир бересең, болмаса тартып аламан», – дейтуғын еди. 17Жаратқан Ийениң нәзеринде жигитлердиң ислеген гүнасы жүдә аўыр еди. Өйткени олар Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықларға ҳүрметсизлик етти.
18Сол арада жас Самуел зығыр эфод[4] кийип, Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип жүрди. 19Анасы ҳәр жылы күйеўи менен бирге жыллық қурбанлық бериў ушын келгенде, тиккен кишкене шапанын улына әкелип беретуғын еди. 20Сонда Элий Элқанаға ҳәм оның ҳаялына пәтиясын берип: «Тилеп алып, Жаратқан Ийеге арнаған балаңның орнына Жаратқан Ийе саған бул ҳаялдан басқа балалар берсин», – дейтуғын еди. Соңынан олар үйине қайтатуғын еди. 21Жаратқан Ийениң мийримине ерискен Ханна ҳәмиледар болып, және үш ул, еки қыз туўды. Ал кишкене Самуел Жаратқан Ийе алдында өсип барды.
22Элий жүдә қартайып қалған еди. Ол улларының израиллыларға ислеген барлық ислери ҳәм Ушырасыў шатырының алдында хызмет ислейтуғын ҳаяллар менен жатқаны ҳаққында еситти. 23Сонда Элий улларына былай деди: «Не ушын бундай ислерди ислеп атырсызлар? Мен сизлер ислеген жаўызлықлар ҳаққында ҳәмме адамлардан еситтим. 24Бул жақсы емес, балаларым! Жаратқан Ийениң халқы арасында тарап кеткен бул хабар – жақсы хабар емес. 25Егер адам адамға қарсы гүна ислесе, Қудай айыпкер ушын тәўеллеши болады. Бирақ Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген адам ушын ким тәўеллеши болады?»
Деген менен, олар әкесиниң сөзлерине қулақ аспады. Өйткени Жаратқан Ийе оларды өлтириўди шешип қойған еди.

 

Элийдиң уллары ҳаққында пайғамбаршылық

 

26Сол арада өспирим Самуел өсип, Жаратқан Ийениң де, халықтың да кеўлине унап барды. 27Бир күни Қудайдың бир адамы Элийге келип, былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бабаң ҳәм оның урпақлары Мысырда фараонның халқына қул болған ўақытта, Мен оларға Өзимди ашып көрсетпеген бе едим? 28Қурбанлық орынға барыў ҳәм хош ийисли затларды түтетип, эфод кийип жүриў ушын пүткил Израил урыўлары арасынан тек сениң бабаңды ғана Өзиме руўханий етип таңламадым ба? Және де, израиллылардың пүткил сыйларын да сениң ата-бабаларыңның урпақларына бермедим бе? 29Солай екен, Мениң үйим ушын әкелиўди буйырған қурбанлық ҳәм садақаларға неге ҳүрметсизлик етесизлер? Не ушын халқым Израилдың берген барлық қурбанлықларының ең жақсы жерлерин өзлериңиз жеп семирип, неге улларыңды Меннен артық көресең?“ 30Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сениң хожалығың ҳәм сениң бабаңның урпақлары Маған мәңгиге хызмет етеди, – деген едим“. Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: „Енди булай ислеўден аўлақпан. Себеби Мени ҳүрметлегенди Мен де ҳүрметлеймен, ал Мени ҳүрмет етпегенлер масқара болады. 31Мине, сениң ҳәм бабаңның урпағының күшин қуртатуғын күнлерим киятыр. Солай етип, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди. 32Мениң Израилға ислейтуғын жақсылығыма қарамастан, сен Мениң үйимде қыйыншылық көресең. Ендигиден былай, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди. 33Көзлериңди соқыр қылып, жүрегиңди қайғыға толтырыў ушын, Мениң қурбанлық орнымда сениң туқымыңнан тек бир адамды қалдыраман. Бирақ басқа урпақларыңның ҳәммеси жаслай дүньядан өтеди. 34Еки улың Хофний менен Пинехастың бир күнде өлиўи сениң ушын бир нышан болады. 35Мен Өзиме қәлеўлеримди ҳәм мақсетлеримди орынлайтуғын садық бир руўханий қояжақпан. Ол Мениң майлаған патшамның алдында бәрқулла хызмет етиўи ушын, оның урпағын мәңгиге усы хызметке қояман. 36Сонда сениң урыўыңнан аман қалған ҳәр бир адам бир бөлек гүмис ямаса бир тислем нан ушын бас ийип келип, нан таўып жеўи ушын, өзин қандай да бир диний хызметке қойыўды сорайды“».

 

3

 

Қудайдың Самуелди шақырыўы

 

1Өспирим Самуел Элийдиң қолы астында Жаратқан Ийеге хызмет ететуғын еди. Ол күнлери Жаратқан Ийениң сөзи сийрек, аянлары да аз болды. 2Бир күни түнде Элий орнында жатырған еди. Оның көзлери жүдә әззилеп қалған болып, зорға көретуғын еди. 3Ал Самуел болса, Қудайдың сандығы турған Жаратқан Ийениң Ибадатханасында жатырған еди. Қудайдың шырасы еле сөнбеген еди. 4Сонда Жаратқан Ийе Самуелди шақырды. Самуел Оған: «Ләббәй», – деп жуўап берди. 5Соңынан Элийге жуўырып барып:
– Шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди.
Бирақ Элий:
– Мен сени шақырмадым. Барып, орныңа жат, – деди. Самуел де барып, орнына жатты. 6Жаратқан Ийе және: «Самуел!» – деп шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып:
– Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди.
Элий оған:
– Шақырмадым, балам. Барып, орныңа жат, – деди.
7Самуел Жаратқан Ийениң даўысын танымайтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң сөзи оған еле аян болмаған еди.
8Жаратқан Ийе Самуелди үшинши мәрте шақырды. Самуел орнынан турды да, Элийге барып:
– Мени шақырдыңыз ба? Мен келдим, – деди.
Сонда Элий баланы Жаратқан Ийениң шақырғанын түсинди. 9Ол Самуелге:
– Барып, орныңа жат. Егер Ол сени және шақырса: «Жаратқан Ийе! Айта бер, қулың тыңлап тур», – деп айт, – деди.
Самуел барып, орнына жатты. 10Жаратқан Ийе келип, сол жерде турды ҳәм бурынғыдай етип:
– Самуел, Самуел! – деп шақырды.
Самуел Оған:
– Айта бер, қулың тыңлап тур, – деп жуўап берди.
11Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деди:
– Мен Израилда еситкен ҳәр бир адамның ҳүрейин ушыратуғын бир нәрсе ислейжақпан. 12Сол күни Элийдиң хожалығына қарсы айтқанларымның ҳәммесин басынан аяғына шекем жүзеге асыраман. 13Элийге өзи билетуғын гүна себепли хожалығын мәңгиге жазалайтуғынымды хабарлаған едим. Оның уллары Қудайға тил тийгизсе де, ол улларына тыйым салмады. 14Сонлықтан Мен: «Элийдиң хожалығының айыбы ҳеш қашан ҳеш қандай қурбанлық пенен жуўылмайды», – деп оның хожалығы ҳаққында ант иштим.
15Самуел азанға шекем жатты, соңынан Жаратқан Ийениң Үйиниң қапыларын ашты. Ол көрген аянын Элийге айтыўға қорқты. 16Бирақ Элий оны:
– Балам, Самуел! – деп шақырды.
Самуел оған:
– Ләббәй, – деп жуўап берди.
17Элий Самуелге:
– Жаратқан Ийе саған нелерди айтты? Меннен ҳеш нәрсени жасырма. Егер Оның саған айтқанларынан бирин жасырып қалсаң, Ол сени жазалаған үстине жазаласын, – деди.
18Самуел ҳеш нәрсени жасырмастан, оған ҳәммесин айтып берди. Сонда Элий: «Ол Жаратқан Ийе-ғо. Нени мақул көрсе, соны ислесин», – деди.
19Самуел өсип барды. Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Жаратқан Ийениң оған айтқан сөзлериниң биреўи де орынланбай қалмады. 20Даннан Беер-Шебаға шекемги пүткил Израил халқы Самуелдиң Жаратқан Ийениң пайғамбары болып белгиленгенин билди. 21Жаратқан Ийе Шилода көриниўин даўам етти. Сол жерде Ол Өз сөзи арқалы Самуелге Өзин танытқан еди.

 

4

 

1Самуелдиң сөзи пүткил Израилға жайылды.

 

Келисим сандығының душпан қолына түсиўи

 

Сол күнлери израиллылар филистлер менен урысыў ушын жолға шықты. Израиллылар Эбен-Эзерге, филистлер Афекке ордаларын қурды. 2Филистлер израиллыларға қарсы саўаш майданына түсти. Саўаш ҳәўиж алғанда, филистлер израиллыларды жеңилиске ушыратты. Саўашта израиллылардың төрт мыңға шамалас адамы қаза тапты. 3Әскерлер ордаға қайтып келгенде, Израил ақсақаллары: «Не ушын бүгин Жаратқан Ийе бизлердиң филистлерден жеңилиўимизге жол қойды? Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Шилодан усы жерге алып келейик. Ол арамызда болып, бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарсын», – деди.
4Солай етип, халық Шилоға адамларды жиберди. Олар барып, керублардың ортасындағы тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Келисим сандығын алып келди. Элийдиң еки улы Хофний менен Пинехас та Қудайдың Келисим сандығының жанында еди. 5Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ордаға әкелингенде, пүткил израиллылардың қатты бақырысқан даўысларынан жер ләрзеге келди. 6Филистлер бақырысларды еситип: «Еврейлер ордасында неге буншелли бақырыс болып атыр екен?» – дести. Олар Жаратқан Ийениң сандығының ордаға әкелингенин билгенде, 7қорқып кетип былай деди: «Олардың қудайлары ордаға келипти. Қурып қалдық! Бурын ҳеш қашан бундай нәрсе болып көрмеген еди. 8Қурып қалдық! Бул күшли қудайлардың қолынан бизлерди ким қутқарады? Олар шөлде мысырлыларды түрли бәлелерге ушыратқан қудайлар-ғо. 9Беккем болыңлар, филистлер! Мәрт болыңлар! Болмаса, еврейлердиң сизлерге қул болғаны сыяқлы, сизлер де оларға қул боласызлар. Мәрт болып, саўашқа түсиңлер».
10Солай етип, филистлер саўашқа түсип, израиллыларды жеңди. Израиллылардың ҳәр бири өз шатырына қарай қашты. Қырғынға ушырағаны соншелли, израиллылар отыз мың пияда әскеринен айырылды. 11Қудайдың сандығы қолға түсти, ал Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас қазаланды.

 

Элийдиң өлими

 

12Бенямин урыўынан бир адам саўаш майданынан қашып шығып, сол күнниң өзинде Шилоға жетип келди. Ол қайғыдан кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан еди. 13Сол адам жетип келгенде, Қудайдың сандығын ойлап, жүреги езилген Элий жол шетиндеги отырғышта жолға қарап отырған еди. Адам қалаға кирип, болған ўақыяны айтып бергенде, қаладағылардың ҳәммеси дад салып бақырысты. 14Элий дад салып бақырысқанды еситип: «Неге шаўқым көтерилип атыр?» – деп сорады.
Хабаршы болған ўақыяны айтып бериў ушын дәрриў Элийдиң жанына келди. 15Сонда Элий тоқсан сегиз жаста болып, көзлери әззилеп, көрмей қалған еди. 16Хабаршы Элийге:
– Мен саўаш майданынан киятырман. Ҳәзир ғана сол жерден қашып шықтым, – деди.
Элий оннан:
– Балам, не болды? – деп сорады.
17Хабаршы Элийге:
– Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашты. Әскерлер үлкен қырғынға ушырады. Еки улыңыз Хофний менен Пинехас қазаланды, ал Қудайдың сандығы қолға түсти, – деди.
18Хабаршы Қудайдың сандығы туўралы айтқанда, Элий отырғыштан шалқасына түсип, қала дәрўазасының қасына қулады. Ол жүдә ғарры ҳәм семиз болғанлықтан жулыны үзилип, жан тапсырды. Элий Израилға қырқ жыл бийлик еткен еди.
19Сол ўақытта Элийдиң келини, Пинехастың ҳаялы жүкли болып, туўатуғын ўақты шамаласқан еди. Ҳаял Қудайдың сандығының қолға түскени, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгени ҳаққында еситкенде, бирден толғағы тутты да, дизерлеп отырып босанды. 20Жәрдем берген ҳаяллар оған өлими алдынан: «Қорқпа, уллы болдың», – деди. Бирақ ол жуўап та бермеди, дыққат та аўдармады. 21Қудайдың сандығының қолға түсип, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгенлиги себепли ҳаял: «Уллылық Израилды тәрк етти», – деп улына Ихабод деп ат қойды. 22Ол: «Уллылық Израилды тәрк етти. Себеби Қудайдың сандығы қолға түсти», – деди.

 

5

 

Келисим сандығы филистлер қолында

 

1Филистлер Қудайдың сандығын қолға киргизгеннен соң, оны Эбен-Эзердеги саўаш майданынан Ашдодқа алып келди. 2Олар Қудайдың сандығын Дагонның[5] бутханасына апарып, оны Дагонның мүсининиң жанына қойды. 3Ертеңине азанда ерте турған ашдодлылар Дагонның Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жығылып жатырғанын көрди. Олар Дагонды алды да, оны өз орнына қойды. 4Бирақ олар ертеңине азанда турғанда, Дагонның және Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жығылып жатырғанын көрди. Бул ретте оның басы ҳәм еки қолы жулынып, босағада жатырған еди. Оның тек геўдеси ғана пүтин қалған еди. 5Сонлықтан Дагонның руўханийлери де, Ашдодтағы Дагонның бутханасына келгенлердиң ҳәммеси де усы күнге шекем ол жатқан босағаны баспайды.
6Жаратқан Ийе ашдодлыларды ҳәм дөгерегиндеги халықты аўыр жазалады. Оларды шыйқан менен жазалап, қыйыншылыққа дуўшар етти. 7Болып атырған ўақыяларды көрген Ашдод халқы: «Израилдың Қудайының сандығы бизлерде қалмасын, себеби Ол бизлерди де, қудайымыз Дагонды да аўыр жазалап атыр», – деди. 8Сонлықтан олар адам жиберип, пүткил филист ҳүкимдарларын шақыртты ҳәм олардан:
– Израилдың Қудайының сандығын не қылайық? – деп сорады.
Олар:
– Сандық Гатқа апарылсын, – деди.
Солай етип, олар Израилдың Қудайының сандығын Гатқа апарды.
9Бирақ сандық Гатқа апарылғаннан соң, Жаратқан Ийе сол қаланы да жазалады. Қаланы күшли қорқыныш бийлеп алды. Жаратқан Ийе пүткил қала халқын, үлкенинен кишкенесине шекем жазалады. Оларға да шыйқанлар шыға баслады. 10Сол себепли олар Қудайдың сандығын Экронға жиберди.
Сандық қалаға кирер-кирместен, экронлылар: «Бизлерди ҳәм халқымызды жоқ қылыў ушын, Израилдың Қудайының сандығын бизлерге алып келдиңлер!» – деп бақырысты. 11Олар пүткил филист ҳүкимдарларын топлап: «Израилдың Қудайының сандығын бул жерден алып кетиңлер. Бизлерди де, халқымызды да жоқ қылмаўы ушын, ол өз жерине қайтарылсын», – деди. Себеби пүткил қаланы өлим қорқынышы бийлеп алған еди. Қудайдың оларға берген жазасы жүдә аўыр еди. 12Тири қалғанларға шыйқанлар шықты. Қала халқының дады аспанға жетти.

 

6

 

Келисим сандығының Израилға қайтарылыўы

 

1Жаратқан Ийениң сандығы филистлер елинде жети ай болғаннан соң, 2филистлер руўханийлерди ҳәм палкерлерди шақыртып, оларға:
– Жаратқан Ийениң сандығын не қылсақ екен? Оны өз орнына қалай қайтарыўымыз кереклигин бизлерге айтыңлар, – деди.
3Олар:
– Егер сизлер Израилдың Қудайының сандығын изге қайтармақшы болсаңыз, оны бос жибермей, оған қоса айыбыңызды жуўыў ушын сый берип жибериңлер. Сонда шыпа табасызлар ҳәм Оның сизлерди не ушын жазалап атырғанын билип аласызлар, – деди.
4Сонда филистлер:
– Айыбымызды жуўыў ушын Оған қандай қурбанлық жиберейик? – деп сорады.
Руўханийлер ҳәм палкерлер былай деп жуўап берди:
– Сизлер жиберетуғын қурбанлықлар филист ҳүкимдарларының санына қарай бес шыйқанның ҳәм бес тышқанның алтын мүсинлеринен ибарат. Өйткени сизлер де, ҳүкимдарларыңыз да бирдей жазаға тартылғансыз. 5Буның ушын шыйқанлардың ҳәм жериңизди ўайран еткен тышқанлардың мүсинлерин ислең ҳәм Израилдың Қудайын уллылаң. Мүмкин, сонда Ол сизлерди, қудайларыңызды ҳәм жериңизди жазалаўды тоқтатар. 6Не ушын мысырлылар ҳәм фараон сыяқлы қайсарлық қыласызлар? Қудай мысырлылардың жанына тийгенде, олар Израил халқын босатып жибермеди ме? 7Енди жаңа бир арба ислетиңлер де, биринши рет төллеген ҳәм ҳеш қашан арбаға жегилмеген еки қашарды алып, оларды арбаға жегиңлер. Қашарлардың бузаўларын айырып алып, қораға апарыңлар. 8Жаратқан Ийениң сандығын арбаның үстине қойыңлар. Айыбыңызды жуўыў ушын Оған жиберип атырған алтын затларыңызды қутыға салып, сандықтың жанына жайластырыңлар. Соңынан арбаны айдап жибериңлер, кете берсин. 9Бирақ изинен гүзетип барыңлар. Егер арба өз елине, Бейт-Шемешке қарай бетлесе, онда бул уллы апатшылықты бизлерге Жаратқан Ийениң Өзи жиберген болады. Егер арба басқа тәрепке жол алса, онда бул апатшылықтың Оннан жиберилмегенин, ал оған тосаттан дуўшар болғанымызды билип аламыз.
10Адамлар айтылғандай иследи. Олар биринши рет төллеген еки қашарды арбаға жекти, ал бузаўларын қораға қамап таслады. 11Жаратқан Ийениң сандығы менен бирге ишине шыйқанлардың ҳәм тышқанлардың алтын мүсинлери салынған қутыны арбаға салды. 12Сонда қашарлар туўры Бейт-Шемешке қарай жол алды. Олар оңға да, солға да бурылмастан, мөңиреўи менен алға илгериледи. Ал филист ҳүкимдарлары болса, Бейт-Шемештиң шегарасына дейин оларға ерип келди.
13Сол ўақытта Бейт-Шемеш халқы ойпатлықта бийдай орып атырған еди. Олар басларын көтерип қарап, сандықты көргенде, қуўанып кетти. 14-15Арба бейт-шемешли Ешуаның атызына кирип, сол жердеги үлкен бир тастың жанында тоқтады. Лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын ҳәм алтын затлар салынған қутыны арбадан түсирип, үлкен тастың үстине қойды. Бейт-шемешлилер арбаның ағашларын отын етип жарды да, қашарларды Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Сол күни бейт-шемешлилер Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берип, басқа қурбанлықлар да шалды. 16Филистлердиң бес ҳүкимдары болып өткенлерди көргеннен соң, сол күни Экронға қайтып кетти.
17Филистлер айыбын жуўыў ушын сый ретинде Ашдод, Газа, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ушын Жаратқан Ийеге бир-бирден шыйқанлардың алтын мүсинлерин жиберген еди. 18Ал алтыннан исленген тышқан мүсинлери болса, бес филист ҳүкимдарларына қараслы болған қорған қалалар менен қоса дөгерегиндеги аўыллардың санына туўры келетуғын еди. Үстине Жаратқан Ийениң сандығы қойылған сол үлкен тас бүгинге дейин бейт-шемешли Ешуаның атызында гүўалық болып тур. 19Жаратқан Ийениң сандығының ишине үңилгени ушын, Жаратқан Ийе бейт-шемешлилерден базыларын жазалап, жетпис адамды жоқ қылды. Халық Жаратқан Ийениң өзлерине берген бул аўыр жазасы себепли аза тутты. 20Бейт-Шемеш халқы: «Бул мухаддес Қудайдың, Жаратқан Ийениң алдында ким тура алады? Сандық бизлерден кимге апарылыўы тийис?» – деп сорады. 21Олар Кирят-Яримде жасаўшыларға хабаршылар жиберип: «Филистлер Жаратқан Ийениң сандығын қайтарып жиберипти, келип, оны алып кетиңлер», – деди.

 

7

 

1Солай етип, Кирят-Яримниң халқы келип, Жаратқан Ийениң сандығын алды да, оны төбешиктеги Абинадабтың үйине апарды. Оның улы Элазарды Жаратқан Ийениң сандығына қараў ушын тайынлады.

 

Самуелдиң Израилға бийлик етиўи

 

2Сандық узақ ўақыт, жигирма жыл даўамында Кирят-Яримде қалды. Сол ўақыт ишинде пүткил Израил халқы қайғыға батып, Жаратқан Ийеге интизар болды.
3Самуел пүткил Израил халқына былай деди: «Егер Жаратқан Ийеге шын жүректен жүз бурмақшы болсаңыз, онда өзлериңиздеги басқа қудайлардың ҳәм Аштартаның[6] мүсинлерин жоқ қылыңлар. Өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышлап, тек Оған хызмет етиңлер. Сонда Ол сизлерди филистлердиң қолынан қутқарады».
4Солай етип, израиллылар Баалдың ҳәм Аштартаның мүсинлерин жоқ қылып, жалғыз Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.
5Сонда Самуел: «Пүткил израиллыларды Миспаға жыйнаңлар, мен сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарынаман», – деди. 6Миспаға жыйналған израиллылар қудықтан суў алып, оны Жаратқан Ийеге арнап төкти. Олар сол күни ораза тутып: «Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик», – деди. Самуел Миспада Израил халқына бийлик етти.
7Филистлер Израил халқының Миспаға топланғанын еситкенде, филист ҳүкимдарлары израиллыларға қарсы ҳүжимге атланды. Израиллылар буны еситкенде, филистлерден қорқты. 8Олар Самуелге: «Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарыўы ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге тынбай жалбарын», – деди. 9Сонда Самуел еле сүттен шықпаған бир қозыны алып, оны Жаратқан Ийеге арнап толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Самуел Израил халқы ушын Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе де оған жуўап берди. 10Самуел қурбанлықты жандырып атырғанда, филистлер израиллыларға ҳүжим қылыў ушын жақынласып қалған еди. Бирақ сол ўақытта Жаратқан Ийе күшли даўыс пенен гүркиреп, филистлерди қатты албыратты ҳәм олар израиллылардың алдында күл-талқан болды. 11Миспадан шыққан израиллылар филистлерди қуўалап, оларды Бейт-Кардың төменги жағына шекем өлтирип барды.
12Самуел бир тас алып, оны Миспа менен Шенниң арасына орнатты. Ол: «Жаратқан Ийе бизлерге усы жерге дейин жәрдем берди», – деп тасқа Эбен-Эзер[7] деп ат қойды. 13Солай етип, жеңилиске ушыраған филистлер қайтып Израил жерине ҳүжим жасамайтуғын болды. Самуелдиң көзиниң тирисинде Жаратқан Ийе филистлерге қарсы турды. 14Экроннан Гатқа шекемги филистлердиң басып алған қалалары израиллыларға қайтарып берилди. Израиллылар олардың әтирапындағы жерлерди де филистлердиң қолынан қутқарды. Израил ҳәм амор халқы арасында парахатшылық орнады.
15Самуел пүткил өмири бойы Израилға бийлик етти. 16Ол ҳәр жылы Бейт-Элди, Гилгалды ҳәм Миспаны айланып шығатуғын, бул қалаларда турып, пүткил Израилға бийлик ететуғын еди. 17Соңынан Рамадағы өз үйине қайтып кететуғын ҳәм сол жерден Израилға бийлик ететуғын еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды.

 

8

 

Израил халқының патша талап етиўи

 

1Самуел қартайған шағында, өзиниң улларын Израилға бийлер етип қойды. 2Туңғыш улының аты Йоел, екиншисиниң аты Абия болып, олар Беер-Шебада бийлик етти. 3Бирақ уллары әкесиниң жолынан жүрмеди. Олар нәпсиқаўлыққа берилип, пара алатуғын ҳәм әдилликти бурмалайтуғын еди.
4Сонлықтан пүткил Израил ақсақаллары жыйналып, Рамаға, Самуелге барды. 5Олар Самуелге: «Мине, сен де қартайдың. Улларың да сениң жолыңнан жүрмей атыр. Соның ушын басқа халықларда болғаны сыяқлы, бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деди. 6Олардың: «Бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деген сөзлери Самуелге унамады. Сол себепли ол Жаратқан Ийеге дуўа етти. 7Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп жуўап берди: «Халықтың саған айтып атырған сөзлериниң ҳәммесин тыңла. Себеби олар сеннен емес, ал өзлериниң патшасы болған Меннен ўаз кешти. 8Оларды Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап, усы күнге шекем Маған не қылған болса, саған да соны ислеп атыр. Олар Мени таслап, басқа қудайларға хызмет еткен еди. 9Енди оларға қулақ сал. Бирақ оларға өзлериниң үстинен патшалық ететуғын патшаның ҳуқықлары туўралы билдирип, қатаң ескерт». 10Самуел өзинен патша талап еткен халыққа Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жеткерип, 11оларға былай деди:
– Сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық ететуғын патшаның ҳуқықлары мынадай: ол сизлердиң улларыңызды алып, өзиниң саўаш арбаларында ҳәм атлы әскерий топарларында хызмет еттирип қояды. Және де, олар оның арбасының алдында жуўырып жүретуғын болады. 12Ол базыларын мыңбасылар ҳәм елиўбасылар етип қояды. Базыларға жерин сүрдирип, егинин жыйнатады. Ал базыларға болса, урыс қуралларын ҳәм саўаш арбаларының әсбап-үскенелерин соқтырып қояды. 13Қызларыңызды ийис май ислеўши, аспаз ҳәм нанбай етип алады. 14Жақсы егислик жерлериңизди, жүзим ҳәм зәйтүн бағларыңызды алып, өз хызметшилерине береди. 15Ол зүрәәтиңиздиң ҳәм жүзимиңиздиң оннан бирин алып, өз ақталарына ҳәм хызметшилерине береди. 16Қул ҳәм шорыларыңызды, ең жақсы өгиз ҳәм ешеклериңизди алып, өз жумысларында пайдаланады. 17Ол майда малларыңыздың да оннан бирин алады, ал өзлериңиз оның қуллары боласызлар. 18Усылар орынланғанда, өзлериңиз таңлаған патшаңыздың дәртинен нала шегесизлер. Бирақ сол күни Жаратқан Ийе сизлерге жуўап бермейди.
19Деген менен, халық Самуелдиң сөзин тыңлағысы келмей:
– Яқ, бизлерди басқаратуғын бир патша болсын. 20Сонда бизлер де басқа халықлар сыяқлы боламыз. Патшамыз бизлерге бийлик етеди ҳәм алдымызда жүрип, саўашларымызды басқарады, – деди. 21Самуел халықтың барлық сөзлерин тыңлағаннан соң, оларды Жаратқан Ийеге айтып берди. 22Сонда Жаратқан Ийе Самуелге: «Олардың сөзине қулақ салып, оларға бир патша қойып бер», – деп жуўап берди.
Соннан кейин, Самуел израиллыларға: «Ҳәр бир адам өз қаласына қайтсын», – деди.

 

9

 

Самуелдиң Шаул менен ушырасыўы

 

1Бенямин урыўынан Киш деген абырайлы бир адам бар еди. Ол Абиелдиң улы, Серордың ақлығы, Бехораттың шаўлығы, Афиахтың қуўлығы еди. 2Киштиң жас ҳәм сымбатлы Шаул атлы бир улы бар еди. Израил халқы арасында оннан асқан сымбатлы адам жоқ еди. Ҳәр қандай адамның бойы оның ийнине келетуғын еди.
3Бир күни Шаулдың әкеси Киштиң ешеклери жойтылып кетти. Сонда Киш улы Шаулға: «Хызметшилерден биреўин жаныңа алып, ешеклерди изле», – деди. 4Шаул Эфрайымның таўлы үлкесин ҳәм Шалиша жерлерин айланып шықты. Бирақ ешеклерди таба алмады. Олар Шаалим үлкесине барды, бирақ ешеклер ол жерде де жоқ болып шықты. Соңынан олар Бенямин жерине барды, бирақ ешеклерди ол жерден де таба алмады. 5Олар Суф жерине жеткенде, Шаул жанындағы хызметшисине:
– Жүр, қайта қояйық. Болмаса, әкем ешеклерди қойып, бизлерди қайғыра баслар, – деди.
6Бирақ хызметши оған:
– Қара, мына қалада Қудайдың адамы турады. Ол абырайлы адам болып, оның айтқанларының бәри орынланады. Ҳәзир сол жерге барайық. Бәлким, ол бизлерге жол көрсетер, – деди.
7Шаул оннан:
– Егер барсақ, оған не апарамыз? Дорбамыздағы нанымыз да таўысылды. Қудайдың адамына беретуғын ҳеш қандай саўғамыз жоқ. Немиз қалды? – деп сорады.
8Хызметши Шаулға және:
– Мине, менде шерек шекел[8] гүмис бар. Ол бизлерге баратуғын жолымызды көрсетиўи ушын, мен оны Қудайдың адамына беремен, – деп жуўап берди.
9Бурын Израилда бир адам Қудайдан бир нәрсе сорамақшы болғанда: «Жүриң, көзи ашыққа барайық», – дейтуғын болған. Себеби ҳәзир пайғамбар деп аталатуғын адамларды бурын «көзи ашықлар» деп атаған.
10Шаул хызметшисине: «Яқшы, барайық», – деди. Солай етип, олар Қудайдың адамы жасайтуғын қалаға қарай кетти.
11Олар қалаға қарай көтерилип баратырғанда, суў алыўға шыққан қызларды ушыратып, олардан:
– Көзи ашық усы жерде ме? – деп сорады.
12Қызлар оларға былай деп жуўап берди:
– Аўа, ол сизлердиң алдыңызда кетип баратыр. Асығыңлар, ол қаламызға бүгин келди. Себеби халық бүгин сыйыныў орнында қурбанлық бережақ. 13Қалаға кириўиңизден-ақ, аўқатланыў ушын сыйыныў орнына шықпасынан бурын оны таўып аласызлар. Ол барып, қурбанлықты мухаддеслемегенше, халық аўқат жемейди. Шақырылғанлар ол келгеннен соң жеўди баслайды. Ҳәзир барсаңыз, оны дәрҳал таўып аласызлар.
14Шаул ҳәм оның хызметшиси қалаға кетти. Олар қалаға киргенде, сыйыныў орнына баратырған Самуел олардың қарсы алдынан шықты.
15Шаул келмесинен бир күн алдын, Жаратқан Ийе Самуелге аян берип: 16«Ертең усы ўақытта саған Бенямин жеринен бир адамды жиберемен. Оны майлап, халқым Израилға ҳүкимдар етип қой. Ол халқымды филистлер қолынан қутқарады. Мен халқымның аўҳалын көрдим. Өйткени олардың дады Маған жетип келди», – деген еди. 17Самуел Шаулды көргенде, Жаратқан Ийе Самуелге: «Саған айтқан адамым усы болады. Халқыма ол ҳүкимдарлық етеди», – деди. 18Шаул қала дәрўазасында Самуелди ушыратып, оннан:
– Көзи ашықтың үйи қай жерде, айтып жибересиз бе? – деп сорады.
19Самуел оған былай деп жуўап берди:
– Көзи ашық мен боламан. Мениң алдымда жүрип, сыйыныў орнына көтерил. Бүгин мениң менен бирге аўқатланасаң. Ал азанда жүрегиңдегиниң бәрин өзиңе айтып берип, үйиңе қайтараман. 20Үш күн алдын жойтылған ешеклериңди қайғырма, олар табылды. Израилдың пүткил үмити кимнен? Сеннен ҳәм әкеңниң хожалығынан емес пе?
21Шаул Самуелге:
– Мен Израил урыўлары ишиндеги ең кишкенеси болған Бенямин урыўынан емеспен бе? Мен тийисли болған тийре де Бенямин урыўындағы барлық тийрелердиң ең кишкенеси емес пе? Маған не ушын бул сөзлерди айтып турыпсыз? – деди.
22Самуел Шаулды ҳәм оның хызметшисин сыйыныў орнының аўқатланыў бөлмесине алып барып, шақырылған отыздай қонақтың ишинде оларды ең төрге отырғызды. 23Соңынан аспазға: «Мениң саған бөлек алып қой деп берген гөшимди алып кел», – деди. 24Аспаз санның гөшин әкелип, Шаулдың алдына қойды. Самуел Шаулға: «Бул сениң пайың. Мәрҳәмат, же! Себеби буны белгиленген күни мен шақырған халық пенен бирге жеўиң ушын сақлап қойған едим», – деди. Сол күни Шаул Самуел менен бирге аўқатланды. 25Олар сыйыныў орнынан қалаға түскеннен кейин, Самуел үйиниң төбесинде Шаул менен сөйлесип отырды.

 

Шаулдың ҳүкимдарлыққа тайынланыўы

 

26Таң азанда Самуел үйдиң төбесинде жатырған Шаулды шақырып: «Таярлан, сени жолға шығарып салайын», – деди. Шаул орнынан турып, Самуел менен бирге сыртқа шықты. 27Олар қала шетине жеткенде, Самуел Шаулға: «Хызметшиңе айт, алдымызға түсип жүре берсин», – деди. Хызметши алдыға жүрип кеткеннен кейин, Самуел Шаулға: «Бирақ сен тоқтап тур, мен саған Қудайдың сөзлерин билдирейин», – деди.

 

10

 

1Соңынан Самуел зәйтүн майы қуйылған ыдысын алып, майды Шаулдың басына қуйды ҳәм оны сүйип, былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды. 2Бүгин мениң жанымнан кеткениңнен соң, Бенямин жериниң шегарасындағы Селсахтағы Раҳиланың мазары жанында еки адамды ушыратасаң. Олар саған: „Сен излеп кеткен ешеклер табылды. Әкең ешеклерди ойлағанды қойып, балама не болды екен деп, сени қайғырып атыр“, – дейди. 3Оннан арман қарай жүрип, Табордағы емен ағашына барасаң. Ол жерде үш адамды ушыратасаң. Олардың биреўи үш ылақ, екиншиси үш нан, ал үшиншиси шарап қуйылған мес алып, Қудайдың үйине, Бейт-Элге баратырған болады. 4Олар сәлемлесип, саған еки нан береди, сен оларды аласаң. 5Соңынан филистлердиң сақшылар бөлимшеси орналасқан Гибат-Элоҳимге барасаң. Қалаға киргениңде, сыйыныў орнынан түсип киятырған пайғамбарлар топарын ушыратасаң. Олар арфа, дәп, сырнай ҳәм лира[9] шерткенлерге қосылып, пайғамбаршылық етип киятырған болады. 6Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы сени толық бийлеп алып, сен де олар менен бирге пайғамбаршылық етесең ҳәм пүткиллей басқа адамға айланасаң. 7Бул белгилер орынланғанда, жағдайға қарай ис тут. Өйткени Қудай сениң менен бирге болады. 8Енди меннен алдын Гилгалға барып, сол жерде мени жети күн күт. Мен жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын бериў ушын сениң жаныңа бараман. Мен жаныңа барғанымда, не ислеў кереклигин билдиремен».
9Шаул Самуелдиң жанынан кетиў ушын бурылыўдан-ақ, Қудай Шаулдың жүрегин өзгертип жиберди. Сол күни Самуел айтқан ҳәмме нәрсе орынланды. 10Олар Гибаға келгенде, Шаулды пайғамбарлар топары қарсы алды. Сонда Қудайдың Руўхы Шаулды толық бийлеп алып, Шаул олар менен бирге пайғамбаршылық ете баслады. 11Оны бурыннан таныйтуғынлардың ҳәммеси оның пайғамбарлар менен бирге пайғамбаршылық етип жүргенин көргенде, бир-бирине: «Киштиң улына не болған? Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – дести.
12Сол жерде отырғанлардың бири: «Ал олардың әкеси ким екен?» – деди. «Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – деген гәп усыдан қалған екен. 13Шаул пайғамбаршылық етип болғаннан соң, сыйыныў орнына көтерилди.
14Сонда ағасы Шаулдан ҳәм оның хызметшисинен:
– Сизлер қай жерге бардыңлар? – деп сорады.
Шаул оған:
– Бизлер ешеклерди изледик. Оларды таба алмағаннан соң, Самуелге бардық, – деп жуўап берди.
15Ағасы Шаулға:
– Самуел саған не айтты, маған да айтып бер, – деди.
16Шаул оған:
– Ол бизлерге ешеклердиң табылғанын анық айтып берди, – деди. Бирақ ол Самуелдиң өзине патшалық туўралы айтқан сөзлери ҳаққында тис жармады.
17Самуел Израил халқын Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйнап, 18оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен израиллыларды, яғный сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мысырлылардың ҳәм өзлериңизди езген барлық патшалардың қолынан сизлерди қутқардым. 19Бирақ сизлер бүгин өзлериңизди барлық мүсийбет ҳәм қыйыншылықларыңыздан қутқарған Қудайыңыздан жүз бурып, өзлериңизге бир патша қойып бериўди талап еттиңиз“. Енди Жаратқан Ийениң алдында урыўларыңыз ҳәм тийрелериңиз бойынша дизилиңлер».
20Самуел пүткил Израил урыўларын бирме-бир алдыға шығарды. Шек бойынша олардан Бенямин урыўы таңланды. 21Соңынан Бенямин урыўы тийрелери бойынша шақырылғанда, Матрийдиң тийреси таңланды. Ең соңында Матрийдиң тийресинен Киштиң улы Шаул таңланды. Бирақ оны излегенде, таба алмады. 22Сонда халық Жаратқан Ийеден:
– Ол адам еле бул жерге келмеди ме? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оларға:
– Ол усы жерде, жүклердиң арасында жасырынып жатыр, – деп жуўап берди.
23Олар жуўырып барып, Шаулды сол жерден алып келди. Шаул халықтың арасында турғанда, ҳәммениң бойы оның ийнине келип турды. 24Самуел халыққа: «Жаратқан Ийениң таңлаған адамын көрип турсызлар ма? Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ», – деди.
Сонда халық: «Жасасын патша!» – деп бақырды.
25Самуел халыққа патшалықтың ҳуқықлары туўралы баянлап берди. Оларды бир китап қылып жазып, Жаратқан Ийениң алдына қойды. Соңынан ҳәммени үйине қайтарды. 26Шаул да Гибаға, өз үйине қайтты. Қудай жүреклерине түртки салған мәрт адамлар оған жолдас болды. 27Бирақ гейбир жарамас адамлар: «Ол бизлерди қалай қутқара алады?» – деп Шаулды менсинбей, оған сыйлар бермеди. Ал Шаул өзин сезбегенге алды.

 

11

 

Шаулдың аммон халқын жеңиўи

 

1Аммон патшасы Нахаш Гиладтағы Ябеш қаласына келип, қаланы қамал етти. Пүткил ябешлилер Нахашқа:
– Бизлер менен келисим дүз. Бизлер саған хызмет етемиз, – деди.
2Бирақ Аммон патшасы Нахаш:
– Мен бир шәрт пенен келисим дүземен. Пүткил Израил халқын масқара етиў ушын, ҳәр бириңиздиң оң көзиңизди ойып аламан, – деди.
3Ябеш қаласының ақсақаллары Нахашқа:
– Израилдың ҳәмме жерине хабаршылар жибериўимиз ушын, бизлерге жети күн мәўлет бер. Егер бизлерди қутқаратуғын ҳеш ким табылмаса, саған тәслим боламыз, – деди.
4Хабаршылар Шаул жасап атырған Гиба қаласына келип, болып атырған ўақыяларды халыққа хабарлағанда, халық дад салып жылай баслады. 5Тап усы ўақытта Шаул өгизлерин айдап, атыздан киятырған еди. Ол: «Адамларға не болды? Неге бунша жылап атыр?» – деп сорады. Сонда ябешлилердиң жоллаған хабарын оған айтып берди.
6Шаул бул гәплерди еситкен ўақытта, Қудайдың Руўхы оны толық бийлеп алды. Шаул қатты ашыўға минди. 7Ол бир жуп өгизди сойып, оларды жиликледи де, жиликлерди хабаршылар арқалы Израилдың ҳәмме тәрепине жиберип: «Шаул менен Самуелдиң изине ермеген ҳәр бир адамның өгизлерине де анық усылай исленеди», – деди.
Халық Жаратқан Ийеден қорққанынан қалтырап, ҳәммеси бир жағадан бас шығарып, жолға атланды. 8Шаул оларды Безекке жыйнады. Сонда Израилдың басқа урыўларынан үш жүз мың, ал Яҳуда урыўынан отыз мың адам болды. 9Израиллылар сол жерге келген ябешли хабаршыларға: «Гиладтағы Ябеш турғынлары ертең күн тас төбеге көтерилгенде қутқарылатуғынын айтыңлар», – деди. Хабаршылар барып, бул хабарды жеткизгенде, ябешлилер қуўанып кетти. 10Олар Нахашқа: «Ертең сизлерге тәслим боламыз. Сонда бизлерге нени мақул көрсеңиз, соны ислең», – деди.
11Ертеңине Шаул адамларын үш топарға бөлди. Олар ерте таңда аммонлардың ордасына бастырып кирип, оларды күн қызғанша қырып таслады. Аман қалғанлары тарап кетип, дара-дара болып қашты. 12Буннан кейин, халық Самуелге: «„Шаул ма бизге патша болатуғын?“ – дегенлер кимлер еди? Оларды алып келиңлер, өлтиремиз», – деди.
13Бирақ Шаул оларға: «Бүгин ҳеш ким өлтирилмейди. Себеби Жаратқан Ийе бүгин Израил халқына қутқарылыў берди», – деди.
14Ал Самуел халыққа: «Гилгалға барып, сол жерде патшалықты қайта тиклейик», – деди. 15Солай етип, пүткил халық Гилгалға барып, Жаратқан Ийениң алдында Шаулды патша етип қойды. Сол жерде, Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлықларын берди. Шаул да, пүткил Израил халқы да жақсылап бәзим қурды.

 

12

 

Самуелдиң соңғы сөзи

 

1Буннан кейин, Самуел Израил халқына былай деди:
– Мен айтқанларыңыздың ҳәммесине қулақ асып, сизлерге бир патша тайынлап бердим. 2Енди сизлерди басқаратуғын патшаңыз бар. Ал мен қартайдым, шашларым да ағарды. Улларым да сизлер менен бирге. Жаслығымнан баслап, усы күнге шекем сизлерге бийлик еттим. 3Мине, мен алдыңызда турыппан. Айтыңлар, қайсы бириңиздиң өгизиңизди алдым? Кимниң ешегин тартып алдым? Кимди алдадым? Кимге зулымлық қылдым? Кимнен пара алып, оның айыпларын көрмесликке алдым? Жаратқан Ийениң ҳәм Оның майлаған патшасының алдында гүўалық бериңлер. Сизлерден бир нәрсе алған болсам, қайтарып берейин.
4Халық оған:
– Бизлерди алдамадың, бизлерге зулымлық та қылмадың, ҳеш кимниң қолынан ҳеш нәрсе алмадың, – деди.
5Самуел оларға:
– Меннен бирде бир нуқсан таппағаныңызға Жаратқан Ийе де, Ол майлаған патша да гүўа, – деди.
– Аўа, гүўа, – деди халық.
6Самуел сөзин былай деп даўам етти:
– Муўса менен Харонды тайынлап, ата-бабаларыңызды Мысыр елинен алып шыққан Жаратқан Ийе болады. 7Енди усы жерде турыңлар. Жаратқан Ийениң сизлерди ҳәм ата-бабаларыңызды қутқарыў ушын ислеген барлық жақсы ислерин Оның алдында сизлерге дәлиллеп берейин. 8Яқып Мысырға кеткеннен кейин, ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Ол Муўса менен Харонды жиберди. Олар ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шығып, усы жерге орналастырды. 9Бирақ ата-бабаларыңыз өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени умытты. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды Хасор патшасының сәркәрдасы Сисераның, филистлердиң ҳәм Моаб патшасының қолына тапсырды. Олар ата-бабаларыңызға қарсы урысты. 10Ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге: «Бизлер гүна иследик. Сени таслап, Баал ҳәм Аштарта бутларына хызмет еттик. Енди бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқар, Саған хызмет етемиз», – деп жалбарынды. 11Сонда Жаратқан Ийе Еруббаалды, Беданды, Ифтахты ҳәм Самуелди, яғный мени жиберип, қәўипсиз жасаўыңыз ушын, әтирапыңызды қоршаған душпанларыңыздың қолынан сизлерди қутқарды. 12Бирақ сизлер Аммон патшасы Нахаштың өзлериңизге қарсы атланғанын көргениңизде, патшаңыздың Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенине қарамастан: «Яқ, бизлерди патша басқарсын», – дедиңлер. 13Мине, өзлериңиз таңлап, тилеп алған патшаңыз! Аўа, Жаратқан Ийе сизлерге патша берди. 14Егер Жаратқан Ийеден қорқып, Оған хызмет қылсаңыз, Оның сөзлерин тыңлап, буйрықларына қарсы шықпасаңыз, сизлер де, сизлерди басқаратуғын патшаңыз да Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ерсеңиз, ҳәммеси жақсы болады. 15Егер Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспай, Оның буйрықларына қарсы шықсаңыз, Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызды жазалағаны сыяқлы, сизлерди де жазалайды. 16Енди орныңызда турып, Жаратқан Ийениң көз алдыңызда ислейтуғын уллы исин көриңлер. 17Ҳәзир бийдай орымы ўақты емес пе? Мен Жаратқан Ийеге жалбарынаман ҳәм Ол аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырады. Сонда сизлер патша қойыўды сорап, Жаратқан Ийениң нәзеринде қандай жаманлық ислегениңизди жақсы түсинип аласыз.
18Самуел Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе сол күни аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырды. Халық Жаратқан Ийеден де, Самуелден де қатты қорқты.
19Олар Самуелге:
– Набыт болмаўымыз ушын, бизлер, яғный өз қулларың ушын Қудайың Жаратқан Ийеге жалбарын. Өйткени бизлер патша сорап, өз гүналарымыз үстине гүна жамадық, – деди.
20Сонда Самуел халыққа былай деди:
– Қорқпаңлар, сизлер бул үлкен жаманлықты иследиңлер. Бирақ енди Жаратқан Ийеден жүз бурмай, Оған ериңлер ҳәм шын жүректен хызмет етиңлер. 21Ҳеш кимди қутқара алмайтуғын жарамсыз бутлардың изине ермеңлер. Себеби олар пайдасыз. 22Өзиниң уллы аты ушын Жаратқан Ийе Өз халқынан жүз бурмайды. Себеби Ол сизлерди Өз халқы қылыўды мақул тапты. 23Маған келсек, сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарыныўдан ўаз кешиў арқалы, Оған қарсы гүна ислеўден аўлақ болғайман! Мен сизлерге тек жақсы ҳәм туўры жолды көрсетемен. 24Жалғыз Қудайдан қорқыңлар, Оған шын жүректен садықлық пенен хызмет етиңлер. Оның сизлер ушын қандай уллы ислерди ислегенин есте тутыңлар! 25Бирақ жаўызлық ислеўди даўам ете берсеңиз, өзлериңиз де, патшаңыз да қырылып кетесизлер.

 

13

 

Самуелдиң Шаулды айыплаўы

 

1Шаул Израилда еки жыл патшалық еткеннен соң, 2халықтан үш мың адамды таңлап алып, олардың еки мыңын Михмас ҳәм Бейт-Элдиң таўлы үлкелеринде өз жанына алып қалды. Ал бир мыңын Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласындағы Йонатанның жанына жиберди. Халықтың қалғанын үйлерине қайтарды.
3Йонатан филистлердиң Гибадағы сақшылар топарын қыйратты. Филистлер бул туўралы еситти. Ал Шаул: «Еврейлер бул хабарды еситсин», – деп пүткил ел бойлап кәрнай шерттирди. 4Солай етип, израиллылардың ҳәммеси Шаулдың филистлердиң сақшылар топарын қырғаны ҳәм филистлердиң израиллыларды жек көрип қалғанлығы туўралы еситти. Сонлықтан халық Гилгалға, Шаулдың жанына жыйналды.
5Филистлер израиллылар менен урысыў ушын топланды. Олар үш мың саўаш арбасы, алты мың атлы әскери ҳәм теңиз қумындай сансыз пияда әскерлери менен келип, Бейт-Аўенниң шығысындағы Михмасқа орда қурды. 6Израиллылар өзлериниң қәўипли жағдайда екенин ҳәм әскерлериниң қысқыға алынғанын көргенде, үңгирлерге, шеңгелликлерге, жартаслардың қуўысларына, шуқырларға ҳәм суў сақлағышларға жасырынды. 7Еврейлердиң айырымлары болса, Иорданнан Гад ҳәм Гилад жерлерине кесип өтти. Бирақ Шаул еле Гилгалда еди. Оның изине ерген пүткил әскерлер қорқыныштан қалтырасты. 8Шаул Самуел тәрепинен белгиленген мүддетке бойсынып, жети күн күтти. Бирақ Самуел Гилгалға келмей атырғанлықтан, халық Шаулдың жанынан кете баслады. 9Сонда Шаул: «Жандырылатуғын қурбанлық пенен татыўлық қурбанлығы ушын берилетуғын малларды маған алып келиңлер», – деди де, жандырылатуғын қурбанлықты усынды. 10Шаул жандырылатуғын қурбанлықты берип болар болмастан, Самуел келди. Шаул сәлем бериў ушын оның алдына шықты. 11Самуел Шаулдан:
– Не ислеп қойдың? – деп сорады.
Шаул оған былай жуўап берди:
– Адамларым жанымнан кете баслады. Сен де белгиленген күни келмедиң. Буның үстине, филистлердиң Михмасқа топланғанын көргенимде: 12«Енди филистлер Гилгалға, мениң үстиме бастырып келеди, ал мен елеге шекем Жаратқан Ийеден жәрдем сорамадым», – деп ойладым. Сонлықтан мен жандырылатуғын қурбанлықты бериўди шештим.
13Самуел Шаулға:
– Сен ақылсызларша ис тутып, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. Булай ислемегениңде, Ол сениң Израил үстинен патшалығыңды мәңгилик қылар еди. 14Бирақ енди сениң патшалығың узаққа бармайды. Жаратқан Ийе Өзиниң кеўлине жаққан биреўди таўып, оны Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды. Себеби сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, – деди.
15Соннан кейин, Самуел Гилгалдан шығып, Бенямин урыўының Гиба қаласына кетти. Шаул жанында қалған адамларды санап шықты. Олар шама менен алты жүз адам еди. 16Шаул, оның улы Йонатан ҳәм олардың адамлары Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласына орналасты. Ал филистлер болса, Михмасқа орда қурған еди. 17Филистлердиң ордасынан үш топар әскер елди тонаў ушын бөлинип шықты. Топарлардың бири Шуўал үлкесиндеги Офраға, 18екиншиси Бейт-Хоронға, үшиншиси Себоим ойпатлығы үстинен көтерилип турған шөлге баратуғын жол арқалы шегарадағы жерлерге қарай жол алды.
19Пүткил Израил елинде бирде бир темирши уста жоқ еди. Өйткени филистлер: «Еврейлер найза ҳәм қылыш соғып алмасын», – деген еди. 20Сонлықтан пүткил Израил халқы пазналарын, кетпенлерин, балталарын ҳәм орақларын егетиў ушын филистлерге барыўға мәжбүр еди. 21Пазна ҳәм кетпенлердиң егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен еки бөлегине[10] шамалас болып, бел, балта ҳәм ушлы қуралларды егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен бирине[11] тең еди. 22Сол себепли саўаш ўақтында Шаул менен Йонатанның қасындағылардың ҳеш биринде қылыш та, найза да болмады. Олар тек Шаул менен Йонатанда ғана бар еди.
23Сол арада филистлердиң бир топары Михмас өткелине қарай шықты.

 

14

 

Йонатанның уллы жеңиси

 

1Бир күни Шаулдың улы Йонатан өз нөкерине: «Жүр, қарсы тәрептен филистлердиң ордасына өтейик», – деди. Бирақ Йонатан буны әкесине айтпады. 2Шаул Гиба қаласы жанындағы Мигронда бир анар ағашының саясында отырған болып, оның жанында алты жүзге шамалас адамы бар еди. 3Эфод кийген Ахия да сол жерде еди. Ахия Ихабодтың ағасы Ахитубтың улы, Пинехастың ақлығы, Шилода Жаратқан Ийениң руўханийи болған Элийдиң шаўлығы еди. Халық Йонатанның кеткенин сезбей қалды. 4Йонатан филистлердиң ордасына өтиўди режелестирген өткелдиң еки тәрепинде де жар таслар болып, олардың биреўи Босес, екиншиси Сенне деп аталатуғын еди. 5Жартаслардың биреўи арқада болып, Михмасқа, екиншиси қублада болып, Гибаға қарап турған еди.
6Йонатан нөкерине:
– Жүр, сол сүннетсизлердиң ордасына барайық. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлерге жәрдем берер. Себеби көпшилик пенен де, азшылық пенен де Жаратқан Ийениң жеңиске ерисиўине ҳеш нәрсе тосқынлық жасай алмайды, – деди.
7Нөкер оған:
– Не ойласаңыз, соны ислең. Баслаң, қаяққа барыўды мақул көрсеңиз де, мен сиз бенен биргемен, – деп жуўап берди.
8Сонда Йонатан былай деди:
– Бизлер сол адамлар бетке өтейик, олар бизлерди көрсин. 9Егер олар бизлерге: «Жаныңызға барғанымызша, тоқтап турың», – десе, турған жеримизде қалып, оларға қарай көтерилмеймиз. 10Егер олар: «Жанымызға келиңлер», – десе, бизлер көтерилемиз. Себеби бул – бизлер ушын Жаратқан Ийениң филистлерди бизлерге тәслим ететуғынын билдиретуғын белги болады.
11Солай етип, олар екеўи де филистлердиң әскерлерине көринди. Сонда филистлер: «Қараңлар, еврейлер жасырынған шуқырларынан шыға баслады», – деди. 12Соңынан олар Йонатанға ҳәм оның нөкерине: «Берман келиңлер, сизлерге бир нәрсе айтажақпыз», – деп бақырды.
Сонда Йонатан өз нөкерине: «Мениң изимнен ер, Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти», – деди. 13Йонатан аяқ-қоллары менен тырмасып, өрмелей баслады. Нөкери де оған ерди. Йонатан филистлерди урып қулата берди, нөкери де оларды өлтире берди. 14Йонатан ҳәм оның нөкери бул биринши ҳүжим ўақтында, еки өгиз бир күнде сүретуғын атыз майданының ярымындай жерде жигирмаға жақын адамды өлтирди. 15Қыр даладағы ордада ҳәм пүткил филист халқы арасында қорқыныш ҳүким сүрди. Әскерлер менен тонаўшы топарлар да қатты қалтырасты. Жер де силкинди. Бул Қудай жиберген қорқыныш еди.

 

Филистлер үстинен жеңис

 

16Бенямин жериниң Гиба қаласында Шаулдың гүзетшилери сансыз филист әскерлериниң тарап, жән-жаққа қашып баратырғанын көрди. 17Сонда Шаул жанындағыларға: «Әскерлерди барлап шығып, кимниң жоқ екенин билиңлер», – деди. Олар барлап шыққанда, Йонатан менен оның нөкериниң жоқ екенлиги мәлим болды. 18Шаул Ахияға: «Қудайдың сандығын алып кел», – деди. Сол ўақытта Қудайдың сандығы Израил халқында еди.
19Шаул руўханий менен сөйлесип атырған ўақытта, филистлердиң ордасындағы ала-пасырлы және де ҳәўиж алған еди. Шаул руўханийге: «Сандықты әкелмей-ақ қой, керек емес», – деди. 20Соңынан Шаул ҳәм оның жанындағы әскерлердиң ҳәммеси топланып, саўаш майданына кетти. Ол жерде уллы ала-пасырлы жүз берип, филистлер бир-бирине қылыш сермеп атырған еди. 21Бурын филистлер тәрепине өтип, олардың ордасында болған еврейлер де саптан шығып, Шаул менен Йонатанның жанындағы Израил әскерлерине қосылды. 22Эфрайымның таўлы үлкесинде жасырынып жүрген израиллылар да филистлердиң қашып атырғанын еситкенде, саўаш майданына шығып, филистлерди қуўа баслады. 23Солай етип, Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды жеңиске еристирди. Саўаш Бейт-Аўенниң арғы тәрепине шекем жайылды.
24Сол күни израиллылар қатты шаршаған еди. Себеби Шаул: «Кешке шекем, мен душпанларымнан өш алмағанымша, дуз татқан ҳәр бир адамға нәлет жаўсын», – деген шәрт қойып, халыққа ант иштирген еди. Сонлықтан ҳеш ким ҳеш нәрсе жемеген еди. 25Әскерлер тоғайға кетти. Ол жерде ағып атырған пал бар еди. 26Олар тоғайға киргенде, ағып атырған палға көзлери түссе де, ишкен антынан қорққанлықтан, ҳеш бири палға қол тийгизбеди. 27Бирақ Йонатан әкесиниң әскерлерге ант иштиргенин еситпеген еди. Ол қолындағы таяғын созып, ушын уядағы палға батырып алды. Ол палды татып көриўден-ақ, көзлери шайдай ашылды. 28Сонда сол жердегилердиң бири оған:
– Әкең әскерлерге: «Егер бүгин ким де ким дуз татса, оған нәлет жаўсын», – деп ант иштирген еди. Сонлықтан да әскерлер ҳалдан тайған, – деди.
29Йонатан оған:
– Әкем елди аўыр аўҳалға салып қойған екен. Қараңлар, мына палдан аз-маз татып көрип едим, көзлерим шайдай ашылды. 30Бүгин халық душпанларынан олжаға алған азық-аўқаттан жегенде, жүдә жақсы болар еди. Сонда филистлер буннан да үлкенирек қырғынға ушыраған болар ма еди? – деди.
31Сол күни израиллылар филистлерди Михмастан Айялонға шекем жеңилиске ушыратты. Халық қатты ҳалдан тайды. 32Сонлықтан олар олжалаған малларына тасланып, қойларды, өгизлерди ҳәм баспақларды сол жерде-ақ сойып, қанын ағызбастан жеди. 33Сонда Шаулға: «Қара, халық гөшти қаны менен жеп, Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп атыр», – деп хабарлады. Шаул адамларға: «Опасызлық қылдыңлар. Ҳәзир-ақ маған үлкен бир тасты домалатып алып келиңлер», – деди. 34Соңынан ол және: «Адамлар арасына барып айтыңлар: өзлериниң өгизлерин ҳәм қойларын маған алып келип, усы жерде сойып жесин. Гөшти қаны менен жеп, гүна ислемесин», – деди. Сол күни түнде ҳәр бир адам өзиниң өгизин алып келип, сол жерде сойды. 35Шаул Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды. Бул Шаулдың Жаратқан Ийеге арнап қурған биринши қурбанлық орны еди.
36Шаул адамларына:
– Келиңлер, бүгин түнде филистлердиң изинен қуўып, таң атқанша малларын тартып алайық. Олардың бирде биреўин тири қалдырмайық, – деди.
Олар Шаулға:
– Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деди.
Бирақ руўханий:
– Келиңлер, Жаратқан Ийеден сорайық, – деди. 37Шаул Қудайдан: «Филистлерге ҳүжим қыла берейин бе? Оларды израиллыларға тәслим қыласаң ба?» – деп сорады. Бирақ Қудай сол күни жуўап бермеди. 38Сонда Шаул былай деди: «Ҳәй, пүткил халық басшылары! Берман келиңлер, бүгин қандай гүна исленгенин анықлайық. 39Израилды қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер бул гүнаға жол ашқан улым Йонатан болса да, ол сөзсиз өлтириледи». Бирақ ҳеш ким үндемеди. 40Шаул пүткил израиллыларға:
– Сизлер бир тәрепте турыңлар, мен улым Йонатан менен екинши тәрепте тураман, – деди.
Адамлар оған:
– Нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деп жуўап берди.
41Шаул Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге: «Маған дурыс жуўапты бер», – деди. Шек Йонатан менен Шаулға түсти, ал халық ақланды. 42Сонда Шаул: «Енди улым Йонатан екеўимиздиң арамызға шек таслаң», – деди. Бул рет шек Йонатанға түсти. 43Сонда Шаул Йонатаннан:
– Маған айтшы, сен не иследиң? – деп сорады.
Йонатан әкесине:
– Мен қолымдағы таяқтың ушы менен азғантай пал алып жеген едим. Мине, енди мен өлиўим керек, – деди.
44Шаул оған:
– Йонатан, сен сөзсиз өлесең. Егер мен сени өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын, – деди.
45Бирақ халық Шаулға:
– Израилды үлкен жеңиске еристирген Йонатанды өлтирмекшимисең? Ҳасла! Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемиз: оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Себеби ол бүгин не ислеген болса да, Қудайдың жәрдеми менен иследи, – деди.
Солай етип, халық Йонатанды өлимнен қутқарып қалды.
46Буннан соң, Шаул филистлерди қуўыўдан ўаз кешти. Филистлер де өз жерлерине қайтып кетти.
47Шаул Израилға патша болғаннан соң, әтираптағы душпанларына: Моаб, Аммон, Эдом халықларына, Соба патшаларына ҳәм филистлерге қарсы урысты. Ол ҳәмме жерде жеңиске еристи. 48Ол мәртлерше урысып, амалеклерди жеңди ҳәм израиллыларды тонаўшылардың қолынан қутқарды.

 

Шаулдың хожалығы

 

49Шаулдың улларының аты Йонатан, Ишўий ҳәм Малкий-Шуа еди. Оның еки қызы болып, үлкениниң аты Мераб, кишкенесиниң аты Михал еди. 50Ал ҳаялының аты Ахиноам болып, ол Ахимаастың қызы еди. Шаулдың әкесиниң туўысқаны Нердиң улы Абнер Шаулдың сәркәрдасы еди. 51Абнердиң әкеси Нер ҳәм Шаулдың әкеси Киш туўысқан болып, олар Абиелдиң уллары еди. 52Шаулдың пүткил өмири даўамында филистлер менен қатал урыслар болып турды. Шаул қай жерде батыр ҳәм жаўынгер адамды көрсе, оны өз хызметине алды.

 

15

 

Жаратқан Ийениң Шаулдан жүз бурыўы

 

1Бир күни Самуел Шаулға былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы Израил үстинен патша етип қойыў ушын мени жиберген еди. Енди Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла. 2Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Израиллыларға ислеген жаманлығы ушын амалеклерди жазаламақшыман. Өйткени олар Мысырдан шыққан Израил халқына қарсы шыққан еди. 3Енди барып, амалеклерге ҳүжим қыл ҳәм оларға тийисли барлық нәрсени толық жоқ қыл. Оларды аяма. Еркегин де, ҳаялын да, балаларын да, нәрестелерин де, өгизин де, қойын да, түйесин де, ешегин де, ҳәммесин өлтир“». 4Шаул әскерлерин топлап, оларды Телаим қаласында санақтан өткизди. Ол жерде еки жүз мың пияда әскер болып, Яҳуда урыўынан да он мың әскер бар еди. 5Шаул амалеклердиң қаласына барып, ойпатлықта буққы жасады. 6Соңынан ол кен халқына: «Сизлерди де амалеклер менен бирге қырып тасламаўым ушын, бөлинип, олардың арасынан шығып кетиңлер. Себеби сизлер Мысырдан шыққан Израил халқына жақсылық ислеген едиңлер», – деп хабар жиберди. Сонда кенлер амалеклерден айырылып шықты.
7Шаул Хаўиладан Мысырдың шығысындағы Шурға шекемги амалеклерди қыйратты. 8Ол амалек патшасы Агагты тирилей қолға алды, ал оның пүткил халқын қылыштан өткерип, қырып таслады. 9Бирақ Шаул ҳәм оның адамлары Агагты, оның ең жақсы қойларын, сыйырларын, ең семиз таналарын ҳәм қозыларын, улыўма жақсы нәрселерди аяп, оларды толық қырып таслаўды қәлемеди. Ал әҳмийетсиз ҳәм ҳәлсизлерин қырып таслады.
10Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп аян берди: 11«Мен Шаулды патша етип тайынлағаныма өкинемен. Ол Меннен жүз бурып, буйрықларымды орынламады». Самуел ашыўланды ҳәм түни менен Жаратқан Ийеге жалбарынды. 12Ертеңине Самуел азанда ерте турып, Шаул менен ушырасыўға барды. Бирақ ол Шаулдың Кармелге кеткенин, сол жерде өзине бир ескерткиш орнатқаннан соң, төмен түсип Гилгалға қайтқанын билди. 13Самуел Шаулға келгенде, Шаул оған:
– Сени Жаратқан Ийе жарылқасын. Мен Жаратқан Ийениң буйрығын орынладым, – деди.
14Бирақ Самуел оннан:
– Онда неге қулағыма қойдың маңырағаны ҳәм сыйырдың мөңирегени еситилип тур? – деп сорады.
15Шаул оған:
– Адамларым оларды амалеклерден алып келди. Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын, қой ҳәм сыйырлардың ең жақсыларын аяп алып қалды, қалғанларын толық жоқ қылдық, – деп жуўап берди.
16Сонда Самуел Шаулға:
– Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди.
– Айт, – деди Шаул.
17Самуел сөзин даўам етип былай деди:
– Өзиңди пәс санап жүргениңде, Израил урыўларының басшысына айланбадың ба? Жаратқан Ийе сени майлап, Израилға патша етип қоймады ма? 18Ол сени: «Барып, сол гүнакар амалеклерди пүткиллей қырып тасла. Ҳәммесин жоқ қылмағанша, олар менен урыс», – деген тапсырма менен жиберген еди. 19Олай болса, неге Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспадың? Неге олжаға тасланып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти иследиң?
20Шаул Самуелге былай деп жуўап берди:
– Бирақ мен Жаратқан Ийениң сөзине қулақ астым. Мен Оның жиберген жерине бардым. Амалек халқын толық қырып таслап, олардың патшасы Агагты усы жерге алып келдим. 21Адамларым болса, Гилгалда Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын қырып тасланыўы керек болған олжадан ең жақсы қой ҳәм малларды алды.
22Сонда Самуел Шаулға былай деп жуўап берди:
– Жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықлар бергеннен гөре, Өзине қулақ асқанларға Жаратқан Ийе көбирек қуўанбай ма? Қулақ асыў қурбанлықтан, бойсыныў қошқардың майынан артығырақ. 23Себеби бойсынбаўшылық палкерлик сыяқлы гүна, ал менменлик бутпаразлық пенен барабар. Сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тартқаның ушын, Жаратқан Ийе де сени патша етиўден бас тартты.
24Шаул Самуелге:
– Мен гүна иследим! Аўа, Жаратқан Ийениң буйрығына да, сениң сөзлериңе де бойсынбай, адамларымнан қорққаным ушын, оларға қулақ салдым. 25Бирақ енди өтинемен, мениң гүнамды кешир. Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын мениң менен бирге қайт, – деди.
26Ал Самуел Шаулға:
– Мен сениң менен бирге қайтпайман. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тарттың, Жаратқан Ийе де сени Израилға патша етиўден бас тартты, – деди.
27Самуел кетпекши болып бурылғанда, Шаул оның шапанының етегинен услап қалды. Шапан жыртылды. 28Сонда Самуел:
– Бүгин Жаратқан Ийе Израилдың патшалығын сениң қолыңнан алды ҳәм сеннен жақсырағына берди. 29Израилдың уллы Қудайы жалған сөйлемейди, пикирин де өзгертпейди. Пикирин өзгертетуғындай ол адам емес, – деди.
30Шаул Самуелге:
– Мен гүна иследим. Бирақ халқымның ақсақаллары ҳәм басқа израиллылардың алдында маған ҳүрмет көрсет. Қудайың Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын, мениң менен бирге қайт, – деди.
31Солай етип, Самуел Шаул менен бирге қайтты ҳәм Шаул Жаратқан Ийеге сыйынды.
32Соңынан Самуел: «Амалеклердиң патшасы Агагты мениң алдыма алып келиңлер», – деп буйырды. Агагты байлаўлы ҳалда Самуелдиң алдына алып келди. Ал Агаг ишинен: «Өлим қәўпиниң шетлеп өткени анық», – деп ойлады. 33Бирақ Самуел оған: «Қылышың аналарды балаларынан қалай айырған болса, сениң анаң да ҳаяллар арасында баласынан айырылсын», – деди де, Агагты Гилгалда, Жаратқан Ийениң алдында қылыш пенен шаўып таслады. 34Кейин Самуел Рамаға, ал Шаул Гибадағы өз үйине қайтты. 35Сол күннен баслап өмириниң ақырына шекем Самуел Шаулды қайтып көрмеди. Бирақ оның ушын қайғырып жүрди. Ал Жаратқан Ийе болса, Шаулды Израилға патша етип тайынлағанына пушайман еди.

 

16

 

Даўыттың патшалыққа майланыўы

 

1Жаратқан Ийе Самуелге:
– Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.
2Самуел:
– Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди.
Сонда Жаратқан Ийе былай деди:
– Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт. 3Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.
4Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып:
– Тынышлық па? – деп сорады. 5Самуел оларға:
– Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди.
Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти. 6Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.
7Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди. 8Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 9Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди. 10Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди. 11Соңынан Самуел Ишайдан:
– Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады.
Ишай оған:
– Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди.
Самуел Ишайға:
– Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.
12Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди. 13Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.

 

Даўыттың Шаулға хызмет етиўи

 

14Сол арада Жаратқан Ийениң Руўхы Шаулды тәрк етти. Жаратқан Ийе жиберген жаман бир руўх оны қыйнайтуғын еди. 15Хызметшилери Шаулға:
– Қараң, Қудай жиберген жаман руўх сизди қыйнап атыр. 16Тақсыр, хызметшилериңиз болған бизлерге буйрық бериң. Бизлер лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып келейик. Сонда Қудай жиберген жаман руўх сизге келгенде, ол адам лира шертеди ҳәм сиз жеңил тартасыз, – деди.
17Шаул хызметшилерине:
– Яқшы, лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып, маған алып келиңлер, – деп буйырды.
18Сонда хызметшилерден бири:
– Бейтлеҳемли Ишайдың улларының бирин көрген едим. Ол лираны жақсы шертеди екен. Буның үстине, ол ақсүйеклерден болып, мәрт жаўынгер екен. Оның сөзлери мәнили, қәдди-қәўмети де келискен. Жаратқан Ийе де оның менен бирге, – деди.
19Шаул Ишайға: «Қой бағып жүрген улың Даўытты маған жибер», – деп хабаршылар жөнетти. 20Ишай бир ешекке нан, бир мес шарап ҳәм бир ылақты артып, Даўыт пенен қоса Шаулға жиберди. 21Даўыт Шаулға барып, оның хызметине кирди. Шаул Даўытты жүдә жақсы көрди ҳәм оны өзине нөкер етип алды. 22Шаул Ишайға: «Даўыттың хызметимде қалыўына рухсат бер. Оған кеўлим толды», – деген хабар жиберди.
23Сол күннен баслап, Қудай жиберген жаман руўх Шаулға келгенде, Даўыт лира шертетуғын еди. Сонда Шаул өзине келип жақсы болатуғын, жаман руўх та оны тәрк ететуғын еди.

 

17

 

Даўыттың Голиятты өлтириўи

 

1Филистлер урысыў ушын әскерлерин топлап, Яҳуданың Сохо қаласына жыйналды. Олар Сохо менен Азеқа қаласы аралығындағы Эфес-Даммим деген жерге орда қурды. 2Шаул менен израиллылар да топланды. Олар Эла ойпатлығына орда қурып, филистлерге қарсы саўашқа таярланды. 3Филистлер бир төбешикти, ал израиллылар екинши төбешикти ийеледи. Олардың ортасында ойпатлық бар еди.
4Филистлер сапынан гатлы Голият деген күшли бир жаўынгер ортаға шықты. Оның бойы алты шығанақ ҳәм бир қарыс еди. 5Ол басына қоладан исленген дуўлыға, үстине қоладан исленген саўыт кийип алған болып, саўытының аўырлығы шама менен бес мың шекел[12] еди. 6Оның аяқлары қола дизеқап пенен қапланып, жаўырынына қола семсер асқан еди. 7Семсериниң сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай, ал семсериниң ушындағы темирдиң аўырлығы алты жүз шекел[13] еди. Голияттың үлкен қалқанын нөкери оның алдында көтерип жүретуғын еди.
8Голият турып, сапта турған израиллыларға былай деп бақырды: «Сизлер неге саўаш майданына шықтыңыз? Мен филистпен, ал сизлер Шаулдың қуллары емессизлер ме? Маған қарсы шығыў ушын араңыздан бирин таңлаң. 9Егер ол мениң менен урысып, мени өлтире алса, онда бизлер сизлердиң қулларыңыз боламыз. Егер мен үстин келип, оны өлтире алсам, онда сизлер бизлерге қул болып, бизлерге хызмет қыласызлар». 10Соңынан филист сөзин даўам етип: «Бүгин мен Израил әскерлериниң шермендесин шығараман. Мениң менен алысатуғын бир адамды алдыма шығарың», – деди. 11Филисттиң бул сөзлерин еситип, Шаул да, израиллылар да қатты қорқып, қәўетерге түсти.
12Даўыт Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан болған эфратлы Ишай деген адамның улы еди. Ишайдың сегиз улы бар еди. Шаулдың патшалығы дәўиринде Ишай қартайып қалған болып, адамлар арасында ең жасы үлкени еди. 13Ишайдың үлкен үш улы Шаул менен бирге саўашқа кеткен еди. Саўашқа кеткен улларының ең үлкениниң аты Элиаб, екиншисиниң аты Абинадаб, үшиншисиниң аты Шамма еди. 14Даўыт ең генже улы еди. Үлкен үш улы Шаулдың жанында еди. 15Ал Даўыт болса, әкесиниң сүриўин бағыў ушын, Шаулдың жанынан Бейтлеҳемге қайтып келген еди.
16Филист Голият қырқ күн даўамында азанлы-кеш ортаға шығып, урысыўға шақырды.
17Бир күни Ишай улы Даўытқа былай деди: «Мына қуўырылған бир эфа бийдай менен он шөрек нанды ал да, оларды тезирек ордаға, ағаларыңа апарып бер. 18Ал мына он бөлек сырды болса, олардың мыңбасысына бер. Ағаларыңның ҳал-жағдайын бил ҳәм олардың жақсы екенин билдиретуғын қандай да бир белги алып кел. 19Ағаларың, Шаул ҳәм басқа барлық израиллылар менен бирге Эла ойпатлығында филистлерге қарсы урысып атыр».
20Ертеңине Даўыт азанда ерте турды. Сүриўди бир шопанға қалдырып, Ишайдың буйрығы бойынша азық-аўқатларды алды да, жолға шықты. Ол ордаға жетип барғанда, әскерлер сап тартып, сүрен салыўы менен саўашқа шығып атырған еди. 21Израиллылар менен филистлер бир-бирине қарама-қарсы болып сапқа дизилген еди. 22Даўыт апарған затларын жүклерди қараўыллайтуғын адамға қалдырып, сапқа қарай жуўырып кетти. Ол туўысқанларының жанына барып, олар менен сәлемлести. 23Даўыт туўысқанлары менен сөйлесип турғанда, гатлы филист жаўынгери Голият өз сапынан ортаға шығып, бурынғы сөзлерин тәкирарлап бақыра баслады. Даўыт буны еситти. 24Израиллылар Голиятты көргенде қатты қорқып, оннан қаша баслады. 25Израиллылар бир-бирине: «Израилды масқаралаў ушын ортаға шығып турған мына адамды көрип турсызлар ма? Оны өлтирген адамға патшамыз үлкен байлық сыйлап, қызын да бермекши. Ҳәтте, оның әкесиниң хожалығын да Израилда салық төлеўден азат қылмақшы», – деди.
26Даўыт жанындағыларға: «Бул филистти өлтирип, Израилды шерменделиктен қутқарған адамға не бериледи? Тири Қудайдың әскерлерин масқаралайтуғындай, бул сүннетсиз филист ким болыпты?» – деди. 27Адамлар бурынғы сөзлерди қайталап, Голиятты өлтирген адамға нелер берилетуғынын айтып берди.
28Даўыттың әскерлер менен сөйлескенин еситкенде, үлкен әжағасы Элиабтың ашыўы келди. Ол Даўытқа:
– Бул жерге неге келдиң? Шөлдеги азғантай қойымызды кимге таслап кеттиң? Сениң қаншелли менмен ҳәм қаншелли жаман нийетли екениңди билемен. Сен тек урысты тамашалаў ушын келгенсең, – деди.
29Даўыт оған:
– Мен не қылдым? Сораўға да болмай ма? – деди.
30Ол әжағасының қасынан кетип, басқа адамлардан да сол нәрселерди сорады. Олар да бурынғыдай жуўапты берди.
31Даўыттың сөзлерин еситкенлер оны Шаулға жеткизди. Шаул Даўытты шақыртты. 32Даўыт Шаулға:
– Мына филист себепли ҳеш кимниң руўхы түспесин. Қулыңыз болған мен барып, оның менен алысаман, – деди.
33Шаул оған:
– Сен бул филистке қарсы шығып, оның менен алыса алмайсаң. Себеби сен еле жассаң, ал ол болса, жаслығынан жаўынгер адам, – деди.
34Бирақ Даўыт Шаулға былай деди:
– Қулыңыз болған мен әкемниң сүриўин бағаман. Арыслан ямаса айыў келип, сүриўден бир қозыны алып қашса, 35изинен қуўып, оған ҳүжим қыламан ҳәм қозыны аўзынан алып қаламан. Егер арыслан ямаса айыў маған тасланса, оның жалынан услап алып, урып өлтиремен. 36Қулыңыз болған мен арысланды да, айыўды да өлтиргенмен. Мына сүннетсиз филисттиң басына да сол күн туўады. Себеби ол тири Қудайдың әскерлерин масқаралады. 37Мени арысланның ҳәм айыўдың пәнжесинен қутқарған Жаратқан Ийе бул филисттиң қолынан да қутқарады.
Сонда Шаул Даўытқа:
– Мейли бар, Жаратқан Ийе саған яр болсын! – деди.
38Шаул өзиниң саўаш кийимлерин Даўытқа берди. Басына қола дуўлыға, үстине саўыт кийгизди. 39Даўыт патшаның саўаш кийимлериниң үстинен қылышын да асынып жүрмекши болды. Бирақ ол буларға үйренбегенликтен, Шаулға: «Мен бул кийимлер менен жүре алмайман, себеби үйренбегенмен», – деди де, оларды шешип таслады. 40Даўыт таяғын қолына алып, сайдан бес сыйпақ тас терип алды. Оларды шопан қоржынына салғаннан соң, сақпанын алды да, филист Голиятқа қарай жүрди.
41Филист те, оның алдында қалқанын көтерип жүрген нөкери де Даўытқа қарай жүрди. 42Голият Даўытқа бастан-аяқ қарап шығып, оны менсинбеди. Себеби Даўыт қызыл жүзли, сымбатлы жас жигит еди.
43– Маған таяқ пенен шығатуғындай, мен не саған ийт пе едим? – деп, Голият өз қудайларының аты менен Даўытты нәлетледи. 44Соңынан:
– Берман кел, денеңди аспандағы қуслар менен қыр даладағы ҳайўанларға жем қылайын, – деди.
45Даўыт оған былай деди:
– Сен маған қылыш, найза ҳәм семсер менен қарсы шығып турсаң. Ал мен сен масқаралаған Израил әскерлериниң Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен саған қарсы шығып турман. 46Бүгин Жаратқан Ийе сени маған тәслим етеди. Сени өлтирип, басыңды денеңнен жуда қыламан. Бүгин филист әскерлериниң өликлерин көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларға жемтик қыламан. Сонда пүткил жер жүзи Израилда Қудай бар екенин билип алады. 47Бул жердегилердиң ҳәммеси Жаратқан Ийениң қылыш ҳәм найза менен қутқармайтуғынын билип алады. Себеби бул урыста Жаратқан Ийениң Өзи урысады. Ол сизлерди бизлерге тәслим етеди.
48Голият тасланбақшы болып, Даўытқа қарай жүрди. Даўыт та оның менен алысыў ушын, филистлер сапына қарай тез жуўырып кетти. 49Даўыт қолын қоржынына тығып, бир тасты алды да, сақпанына салып, атып жиберди. Тас филисттиң қақ маңлайын тесип кирди. Филист ет-бетинен жерге жығылды. 50Солай етип, Даўыт филист Голиятты сақпан ҳәм тас пенен жеңди. Қолында қылышы болмаса да, оны өлтирип, жерге қулатты. 51Соңынан Даўыт жуўырып барып, филисттиң үстине минип турды. Оның семсерин қынынан суўырып алды да, оны өлтирип, басын кесип алды. Өзлериниң батыры болған Голияттың өлгенин көрген филистлер қаша баслады. 52Израил ҳәм Яҳуда әскерлери тура көтерилип, филистлерди Гаттың кирер аўзына ҳәм Экрон дәрўазаларына шекем қуўып барды. Шаарайымнан Гат ҳәм Экрон қалаларына баратуғын жолда филистлердиң өликлери жайрап жатты. 53Филистлерди қуўып болып қайтып келген израиллылар филистлердиң ордасын талан-тараж етти. 54Даўыт филист Голияттың басын алып, Ерусалимге әкелди, ал оның қурал-жарақларын өз шатырына қойды.
55Шаул Даўыттың Голият пенен алысыўға шыққанын көргенде, сәркәрда Абнерден: «Абнер, мына жас жигит кимниң баласы?» – деп сораған еди. Ал Абнер патшаға: «Алдыңызда ант ишип айтаман: патшам, мен билмеймен», – деп жуўап берген еди. 56Сонда патша оған: «Бул жигиттиң кимниң улы екенин бил», – деп буйырған еди.
57Даўыт Голиятты өлтирип, ордаға қайтып келиўден-ақ, Абнер оны ертип, Шаулға апарды. Голияттың кесилген басын Даўыт еле қолына услап жүрген еди. 58Шаул Даўыттан:
– Кимниң улысаң? – деп сорады.
Даўыт оған:
– Бейтлеҳемли қулыңыз Ишайдың улыман, – деп жуўап берди.

 

18

 

Даўыт ҳәм Йонатан

 

1Шаул менен Даўыттың сөйлесиўи ақырына жеткенде, Шаулдың улы Йонатан Даўытты унатып, оны жанындай жақсы көрип қалды. 2Сол күннен баслап, Шаул Даўытты жанында алып қалды. Оған әкесиниң үйине қайтыўға рухсат бермеди. 3Йонатан Даўытты жанындай жақсы көргенликтен, оның менен дослық келисимин дүзди. 4Йонатан үстиндеги шапанын шешип, оны Даўытқа берди. Буған қоса саўытын, қылышын, оқ жайын ҳәм белбеўин де берди.
5Шаул Даўытты қай жерге жиберсе де, ол табысқа еристи. Сонлықтан Шаул оған әскерий адамлар үстинен жоқары лаўазымды берди. Бул пүткил халыққа ҳәм Шаулдың хызметшилерине унады.

 

Шаулдың Даўытты қызғаныўы

 

6Даўыт филист Голиятты өлтиргеннен соң, әскерлер үйлерине қайтып баратырғанда, Израилдың барлық қалаларынан келген ҳаяллар дәп ҳәм тарлы әсбапларды шертип, қуўанышлы қосықлар айтты ҳәм ойынға түсип, патша Шаулды күтип алыўға шықты. 7Олар ойнап жүрип:

 

«Шаул мыңлағанын,
Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди»,

 

– деп қосық айтты.
8Бул сөзлер Шаулға аўыр батты. Ол қатты ашыўланып: «Даўытқа он мың адам, ал маған тек мың адам берди. Енди оған тек патша болыў ғана жетпей тур!» – деп ойлады. 9Солай етип, сол күннен баслап, Шаул Даўытқа қызғаныш пенен қарай баслады.
10Ертеңине Қудай жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды. Шаул өз үйинде жинлене баслады. Даўыт бурынғыдай лира шертип отырды. Шаулдың қолында бир найза бар еди. 11Шаул өзинше: «Даўытты урып, дийўалға қадап қояйын», – деп ойлап, қолындағы найзасын Даўытқа ылақтырып жиберди. Бирақ Даўыт еки ретте де қаймығып қалды.
12Шаул Даўыттан қорқатуғын еди. Өйткени Жаратқан Ийе Даўыт пенен бирге болып, ал Шаулды тәрк еткен еди. 13Сонлықтан Шаул Даўытты өзинен узақластырып, мыңбасы етип қойды. Даўыт әскерлерге басшылық етти. 14Жаратқан Ийе оның менен бирге болғанлықтан, ол ҳәр бир исте табысқа еристи. 15Даўыттың үлкен табысларын көргенде, Шаулдың қорқынышы және де артып барды. 16Бирақ пүткил Израил ҳәм Яҳуда халқы Даўытты сүйетуғын еди. Себеби Даўыт оларға басшылық ететуғын еди.
17Шаул Даўытқа:
– Мынаў мениң үлкен қызым Мераб. Оны саған ҳаяллыққа беремен. Тек маған мәртлерше хызмет етип, Жаратқан Ийениң саўашларын алып бар, – деди. Себеби ол: «Даўыт мениң қолымнан емес, ал филистлердиң қолынан өлсин», – деп ойлайтуғын еди.
18Даўыт Шаулға:
– Патшаға күйеў бала болатуғындай, мениң өзим, үй-ишим ҳәм әкемниң тийреси Израилда ким болыпты? – деди.
19Деген менен, Шаулдың қызы Мерабтың Даўытқа берилетуғын ўақты келгенде, қыз мехолалы Адриелге ҳаяллыққа берилди.
20Сол арада Шаулдың басқа қызы Михал Даўытты сүйип қалды. Буны еситкенде, Шаул қуўанып кетти. 21Ол: «Даўытқа Михалды беремен. Солай етип, Михал ол ушын дузақ болады. Ал филистлер оны өлтиреди», – деп ойлады. Шаул Даўытқа: «Ҳәзир маған күйеў бала болыўың ушын және бир мүмкиншилигиң бар», – деди. 22Соңынан хызметшилерине: «Патшаның сеннен кеўли тоқ, ҳәмме хызметшилери де сени жақсы көреди. Оған күйеў бала болатуғын ўақтың келди», – деп Даўытқа жасырынша айтыўды буйырды.
23Шаулдың хызметшилери бул сөзлерди Даўытқа жеткизди. Даўыт оларға: «Мендей кәмбағал ҳәм әпиўайы адам ушын патшаға күйеў бала болыў аңсат деп ойлайсызлар ма?» – деди.
24Хызметшилер Даўыттың айтқанларын Шаулға жеткизди. 25Сонда Шаул Даўытқа былай деп айтыўды буйырды: «Патша өз душпанларынан өш алыў ушын, қалың мал ретинде жүз филисттиң сүннет терисинен басқа ҳеш нәрсени қәлемейди». Шаул Даўыттың филистлердиң қолына түсип өлиўин режелестирген еди.
26Хызметшилер Шаулдың айтқанларын Даўытқа жеткизди. Даўыт патшаға күйеў бала болыўды мақул көрди. Белгиленген күн болмастан алдын, 27Даўыт ҳәм оның адамлары барып, еки жүз филистти өлтирди. Патшаға күйеў бала болыў ушын, Даўыт өлтирилген филистлердиң сүннет терилериниң бирде биреўин қалдырмастан патшаға әкелип берди. Сонда Шаул қызы Михалды Даўытқа ҳаяллыққа берди. 28Шаул Жаратқан Ийениң Даўыт пенен бирге екенин ҳәм қызы Михалдың оны сүйетуғынын анық билди. 29Сол себептен Шаул Даўыттан және де қаттырақ қорқты ҳәм өмириниң ақырына шекем оған душпан болып қалды.
30Филист әскербасылары урысқа шығыўын даўам етти. Ҳәр урыста Даўыт Шаулдың басқа әскербасыларына қарағанда көбирек табысқа ерисетуғын еди. Сонлықтан Даўыт үлкен даңққа бөленди.

 

19

 

Шаулдың Даўытты өлтириўге ҳәрекет етиўи

 

1Шаул улы Йонатанға ҳәм барлық хызметшилерине Даўытты өлтириўди буйырды. Бирақ Шаулдың улы Йонатан Даўытты жүдә жақсы көретуғын еди. 2Ол Даўытқа хабар жиберип: «Әкем Шаул сени өлтирмекши. Ертең азанда сақ бол. Бир жерге жасырынып, сол жерде отыр. 3Ал мен сен жасырынған атызға барып, әкемниң жанында тураман ҳәм оның менен сен туўралы сөйлесемен. Бир нәрсе билсем, саған айтаман», – деди.
4Йонатан әкеси Шаулға Даўытты мақтап былай деди:
– Патшам, өз қулың Даўытқа қарсы гүна ислеме. Себеби ол саған қарсы ҳеш қандай гүна ислемеди ҳәм ҳәр бир иси арқалы саған үлкен пайда келтирди. 5Ол жанын қәўип астына қойып, филистти өлтирди. Жаратқан Ийе пүткил Израилды жеңиске еристирди. Сен де буны көрип қуўандың. Солай екен, неге Даўытты себепсиз өлтирип, жазықсыз бир адамға наҳақлық ислеп атырсаң?
6Шаул Йонатанның сөзлерине қулақ салып:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, Даўыт өлтирилмейди, – деди.
7Йонатан Даўытты шақырып, оған ҳәммесин айтып берди. Соңынан Даўытты Шаулдың қасына әкелди. Даўыт та алдынғыдай патшаның хызметине кирди.
8Саўаш және ҳәўиж алды. Даўыт филистлерге қарсы урысқа шығып, оларға күшли соққы берди. Филистлер Даўыттың алдына түсип қашты.
9Бир күни Шаул найзасын қолына алып, үйинде отырған еди. Даўыт та лира шертип отырған еди. Сол ўақытта Жаратқан Ийе жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды. 10Шаул найзасы менен Даўытты дийўалға қадамақшы болды. Бирақ Даўыт және қашып қалып, Шаулдың найзасы дийўалға қадалды. Сол түни Даўыт қашып қутылды.
11Даўытты гүзетип, ертеңине азанда өлтириў ушын, Шаул Даўыттың үйине хызметшилерин жиберди. Бирақ ҳаялы Михал Даўытқа: «Егер бүгин түнде қашып қутылмасаң, азанда сени өлтиреди», – деди. 12Соңынан ол Даўытты терезеден төменге түсирип жиберди. Солай етип, Даўыт қашып қутылды. 13Михал үй бутын алып, оны төсекке жатқызды да, үстине көрпе жапты. Ал бас бетине ешки жүнинен исленген көпшик қойды. 14Шаул жиберген хызметшилер Даўытты тутып алып кетиўге келгенде, Михал оларға: «Даўыт аўырып атыр», – деди.
15Даўытты көрип келиў ушын Шаул хызметшилерин және жиберип атырып: «Оны төсеги менен усы жерге алып келиңлер, өлтирейин», – деп буйырды. 16Шаулдың хызметшилери үйге киргенде, төсекте басына ешки жүнинен көпшик қойылған буттың жатырғанын көрди.
17Шаул Михалдан:
– Неге мени алдап, душпанымды қашырып жибердиң? – деп сорады.
Михал оған:
– Даўыт маған: «Егер мени босатып жибермесең, өзиңди өлтиремен», – деди, – деп жуўап берди.
18Қашып қутылған Даўыт Рамада жасап атырған Самуелге барды ҳәм Шаулдың өзине ислеген барлық ислери туўралы айтып берди. Соңынан Даўыт Самуел менен бирге Найотқа барып, сол жерде қалды. 19Даўыттың Раманың Найот деген жеринде екенлиги ҳаққында хабар Шаулға жетип барды. 20Сонда Шаул Даўытты услап келиў ушын хызметшилерин сол жерге жиберди. Олар Самуелдиң басшылығындағы бир пайғамбарлар топарының пайғамбаршылық етип жүргенин көрди. Сол ўақытта Қудайдың Руўхы Шаулдың хызметшилерине де түсип, олар да пайғамбаршылық ете баслады. 21Шаул болып өткен ўақыяны еситкенде, басқа хызметшилерди жиберди. Олар да пайғамбаршылық ете баслады. Шаулдың үшинши рет жиберген хызметшилери де пайғамбаршылық ете баслады. 22Ақыры Шаулдың өзи Рама қаласына қарай жолға шықты. Ол Сехудағы үлкен суў сақлағышқа жеткенде:
– Самуел менен Даўыт қай жерде? – деп сорады.
Бир адам оған:
– Раманың Найот деген жеринде, – деп жуўап берди.
23Шаул Рамадағы Найотқа баратырғанда, оған да Қудайдың Руўхы түсти. Ол Найотқа барғанша, жол бойы пайғамбаршылық етти. 24Ол кийимлерин шешип таслап, Самуелдиң алдында пайғамбаршылық етти. Шаул пүткил күни ҳәм түни бойы жалаңаш жатты. Сонлықтан да, халықтың: «Шаул да пайғамбарлар арасында ма?» – деген сөзи усыннан қалған.

 

20

 

Йонатанның Даўытқа жәрдем бериўи

 

1Даўыт Раманың Найот деген жеринен қашып, Йонатанға барды. Даўыт оннан:
– Мен не қылдым? Айыбым не? Мени өлтиретуғындай, әкеңе қарсы не гүна иследим? – деп сорады.
2Йонатан оған:
– Ҳасла, сен өлмейсең. Қандай ис болса да, әкем маған айтпай ҳеш нәрсе ислемейди. Буны неге меннен жасырар екен? Бундай нәрсе болмайды, – деп жуўап берди.
3Бирақ Даўыт оған:
– Сениң мени жақсы көретуғыныңды әкең жақсы биледи. Ол: «Йонатан не ислейтуғынымды билмесин. Билсе, қапа болады», – деп ойлайды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңда ант ишип айтаман: мен жар жағасында турман, – деди.
4Йонатан Даўытқа:
– Тиле тилегиңди, сен ушын орынлайман, – деди.
5Даўыт Йонатанға былай деди:
– Минекей, ертең Жаңа ай байрамы болады. Мен патша менен бирге дастурханға отырыўым керек. Бирақ маған рухсат бер, мен ертеңниң арғы күни кешке дейин атызда жасырынып турайын. 6Егер әкең мениң жоқлығымды сезип қалса, оған: «Даўыт асығыс түрде өз қаласы Бейтлеҳемге кететуғын болып, меннен жалынып рухсат сорады. Ол жерде пүткил тийреси жыллық қурбанлық береди екен», – дерсең. 7Егер әкең: «Яқшы», – десе, онда мениң қәўип-қәтерден аман болғаным. Егер ғәзепленсе, билип қой, оның мени өлтириўди қарар еткени. 8Ал саған келсек, сен маған жақсылық исле. Себеби Жаратқан Ийениң алдында мениң менен келисим дүзгенсең. Егер айыплы болсам, мени өзиң өлтир. Мени әкеңе апарыўыңның неге кереги бар?
9Йонатан Даўытқа:
– Саған ҳасла ондай болмайды. Егер әкемниң сени өлтириўди қарар еткенин билгенимде, саған айтпас па едим? – деди.
10Даўыт Йонатаннан:
– Егер әкең саған қатал жуўап берсе, оны маған ким хабарлайды? – деп сорады.
11Йонатан Даўытқа:
– Жүр атызға барайық, – деди де, олар екеўи атызға кетти.
12Йонатан сөзин даўам етип, Даўытқа былай деди:
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе гүўа болсын! Ертең ямаса арғы күни усындай ўақытқа дейин әкемниң нийетин билип аламан. Егер әкемниң саған деген нийети жақсы болса, саған хабар жиберемен. 13Егер әкем сени өлтириўди нийет еткен болса, ал мен сени хабардар етип, қәўипсиз кетиўиңди тәмийинлемесем, онда Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын. Жаратқан Ийе бурын мениң әкеме яр болғаны сыяқлы, саған да яр болсын. 14Бирақ сен көзимниң тирисинде маған Жаратқан Ийениң мийримин көрсет. 15Егер мен өлип қалсам, Жаратқан Ийе сениң барлық душпанларыңды жер бетинен жоқ қылып жиберсе де, сен мениң үй-ишимнен мәңгиге өз мийримиңди аяма.
16Солай етип, Йонатан Даўыттың нәсили менен келисим дүзип: «Жаратқан Ийе Даўыттың душпанларын жазаласын», – деди. 17Даўытқа деген сүйиспеншилиги себепли, Йонатан оған және бир мәрте ант иштирди. Өйткени Йонатан Даўытты жанындай жақсы көретуғын еди.
18Йонатан Даўытқа былай деди:
«Ертең Жаңа ай байрамы. Сениң жоқлығың билинеди, себеби орның бос турады. 19Арғы күни кеште төмен түсип, тез бурын жасырынған жериңе бар да, Эзел тасының жанында күтип тур. 20Мен бир нышанды гөзлегендей болып, тас бетке қарай үш рет оқ атаман. 21Соңынан хызметшиме: „Барып, оқларды таўып, алып кел“, – деп буйыраман. Егер хызметшиме: „Қара, оқлар сениң арт жағыңда, оларды алып кел“, – десем, онда сен мениң жаныма кел. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен қәўип-қәтерден аўлақсаң. 22Егер хызметшиме: „Қара, оқлар алды бетиңде“, – десем, сен кет. Өйткени Жаратқан Ийе сени узақларға жиберип атыр. 23Ал бир-биримизге берген антымызға келсек, Жаратқан Ийе бизлерге мәңгиге гүўа болсын».
24Солай етип, Даўыт атызға жасырынды. Жаңа ай байрамы басланғанда, патша Шаул дастурханға отырды. 25Ол әдеттегидей дийўал жанындағы өз орнына отырды. Йонатан Шаулдың қарсы алдына, Абнер оның қасындағы өз орнына отырды. Ал Даўыттың орны бос қалды. 26Бирақ Шаул сол күни ҳеш нәрсе демеди. Ол: «Даўыттың қандай да бир жағдайы шығып, тазаланыў рәсимин орынлай алмай қалып, пәкленбеген шығар», – деп ойлады. 27Деген менен, ертеңине, байрамның екинши күни де Даўыттың орны және бос турды. Сонда Шаул улы Йонатаннан:
– Ишайдың улы неге кеше де, бүгин де аўқатланыўға келмеди? – деп сорады.
28Йонатан әкесине:
– Даўыт Бейтлеҳемге барыў ушын меннен жалынып рухсат сораған еди. 29Ол маған: «Илтимас, маған рухсат бер. Себеби тийремиз қалада қурбанлық бермекши еди. Әжағам маған сол жерде болыўымды буйырған еди. Егер мақул көрсең, барып, туўысқанларымды көрип келейин», – деген еди. Сонлықтан ол патша дастурханына келе алмады, – деп жуўап берди.
30Сонда Шаул ғәзепленип, Йонатанға былай деп бақырды:
– Ҳәй сен, найсап! Ишайдың баласы менен досласып алғаныңды билмейди дейсең бе? Бул исиң менен өзиңди де, сени туўған анаңды да уятқа қалдырып атырсаң. 31Егер Ишайдың улы жер бетинде тири турса, өзиң де, патшалығың да сақланып қалмайды. Енди адам жиберип, оны маған әкелдир. Ол өлиўи тийис!
32Йонатан әкесине:
– Ол не ушын өлиўи керек? Ол не иследи, ақыры? – деди.
33Бирақ Шаул Йонатанды өлтирмекши болып, оған қарай найзасын ылақтырып жиберди. Сонда Йонатан әкесиниң Даўытты өлтириўге анық қарар қылғанын түсинди. 34Йонатан қатты ашыўланып, дастурхан басынан турды. Ол айдың екинши күни ҳеш дуз татпады. Себеби әкесиниң Даўытты хорлағанына қайғырды.
35Ертеңине азанда Йонатан Даўыт пенен көрисиў ушын атызға кетти. Ол жанына бир жас баланы алды. 36Йонатан балаға: «Жуўыр, мен атқан оқларды изле», – деди. Бала жуўырып баратырғанда, Йонатан оның алдына қарай бир оқ атты. 37Бала Йонатанның атқан оғы түскен жерге барғанда, Йонатан оған: «Оқ алды бетиңде», – деп бақырды. 38Соңынан Йонатан және: «Тез бол, жуўыр, тоқтап турма», – деп бақырды. Бала оқты алып, мырзасына әкелип берди. 39Бала ҳеш нәрседен хабарсыз еди. Бул истиң мәниси тек Йонатан менен Даўытқа аян еди. 40Йонатан қурал-жарақларын балаға берип: «Мыналарды қалаға апар», – деди.
41Бала кетиўден-ақ, Даўыт тастың қубла тәрепинен шығып келди де, жүзи жерге тийгенше ийилип, үш рет тәжим етти. Еки дос бир-бирин сүйип жылады, бирақ Даўыт қаттырақ жылады.
42Ақырында Йонатан Даўытқа: «Аман-есен жолыңа түс. Екеўимиз Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкенбиз. Жаратқан Ийе бизлердиң ҳәм урпақларымыздың арасында мәңгиге гүўа болсын», – деди.
43Соннан кейин, Даўыт өз жолына түсти. Ал Йонатан қалаға қайтты.

 

21

 

Даўыттың Шаулдан қашыўы

 

1Даўыт Ноб қаласындағы руўханий Ахимелехтиң жанына барды. Ахимелех Даўытты күтип алып атырып:
– Неге жалғызсаң? Неге жаныңда ҳеш ким жоқ? – деп қорқыныш пенен сорады.
2Даўыт оған былай деп жуўап берди:
– Патша маған бир тапсырма берген еди. Ол маған: «Мениң сени не ушын жибергенимди ҳәм саған қандай тапсырма бергенимди ҳеш ким билмесин», – деген еди. Сонлықтан адамларыма белгили бир жерге барып турыўды буйырған едим. 3Ҳәзир жегендей неңиз бар? Маған бес нан ямаса жегендей бир нәрсе бериң.
4Руўханий оған:
– Әпиўайы нан жоқ. Егер адамларыңыз ҳаяллардан өзлерин тыйған болса, Қудайға арналған нан бар, – деп жуўап берди.
5Даўыт оған:
– Әдетке гөре, жолға шыққанымызда, адамларымыз өзлерин пәк сақлап, ҳаял адамға жақынламайды. Әсиресе, бүгин олар өзлерин жүдә пәк тутты, – деди.
6Соннан кейин, руўханий Даўытқа мухаддес нан берди. Себеби ол жерде Қудайға усынылған наннан басқа нан жоқ еди. Бул нан Жаратқан Ийениң алдынан алынған күни оның орнына ыссы нан әкелип қойылды.
7Сол күни Шаулдың хызметшилериниң бири Доег деген эдомлы бас шопан Жаратқан Ийениң алдында диний хызметин өтеў ушын барып, сол жерде турған еди.
8Даўыт Ахимелехке:
– Жаныңда қылыш ямаса найза жоқ па? Патшаның тапсырмасы асығыс болғанлықтан, жаныма қылыш та, қурал-жарақ та алып шықпаппан, – деди.
9Руўханий оған:
– Эла ойпатлығында өзиң өлтирген филист Голияттың қылышы бар. Эфодтың артында таўарға ораўлы тур. Бул жерде басқа қурал жоқ. Қәлесең, соны ал, – деди.
Даўыт оған:
– Оған тең келетуғыны жоқ, оны маған бер, – деди.
10Шаулдан қашқан Даўыт сол күни Гат патшасы Ахишке барды. 11Ахиштиң хызметшилери: «Бул Израилдың патшасы Даўыт емес пе? Адамлар усы адам ҳаққында:

 

„Шаул мыңлағанын,
Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди“,

 

– деп аяқ ойынға түсип, қосық айтқан жоқ па еди?» – деди.
12Бул сөзлер Даўытты терең ойландырып, ол Гат патшасы Ахиштен қатты қорқты. 13Даўыт олардың алдында өзиниң келбетин өзгертип, өзин жинли етип көрсетти ҳәм қала дәрўазаларын тырмалап, силекейин сақалына ағызып жүрди.
14Ахиш хызметшилерине: «Бул адамға қараңлар, ол нағыз жинли-ғо. Оны неге маған алып келдиңлер? 15Өзимизде жинлилер аздай, оны мениң алдымда жинлилик қылсын деп алып келдиңлер ме? Бул адамның сарайыма келиўи шәрт пе еди?» – деди.

 

22

 

1Соннан кейин, Даўыт Гаттан шығып, Адуллам үңгирине жасырынды. Ағалары ҳәм әкесиниң үй-иши буны еситип, Даўыттың жанына келди. 2Қыйын жағдайда қалған, қарызға батқан ҳәм өмирден түңилген адамлардың ҳәммеси Даўыттың жанына жыйналды. Саны төрт жүзге шамаласқан бул адамларға Даўыт жетекшилик қылды.
3Даўыт сол жерден Моабтағы Миспе қаласына барып, Моаб патшасынан: «Қудайдың маған не қылажағын билип алғанымша, ата-анамның сизиң қасыңызда қалыўына рухсат бериң», – деп өтиниш етти. 4Солай етип, Даўыт ата-анасын Моаб патшасының жанына алып келди. Даўыт бас паналап жүргенинде, ата-анасы Моаб патшасының жанында жасады. 5Бирақ пайғамбар Гад Даўытқа: «Бул жерде қалма, Яҳуда жерине кет», – деди. Соннан кейин, Даўыт сол жерден кетип, Херет тоғайына барды.

 

Шаулдың Ноб қаласының руўханийлерин өлтириўи

 

6Сол арада Шаул Даўыт ҳәм оның жанындағы адамлардың қай жерде екенин билди. Сол ўақытта патша найзасын қолына алып, Гибада тамариск терегиниң астында отырған еди. Әскерлери де оның әтирапын қоршап турған еди. 7Сонда Шаул оларға былай деди: «Ҳәй беняминлилер, мени тыңлаңлар! Ишайдың улы ҳәр бириңизге егислик жерлерди ҳәм жүзимзарларды береди дейсиз бе? Ҳәр бириңизди мыңбасы ямаса жүзбасы етип қояды дейсиз бе? 8Сол себепли ҳәммеңиз маған қарсы тил бириктирдиңиз бе? Улымның Ишайдың улы менен келисим дүзгенин маған ҳеш ким хабарламады. Араңыздан маған жаны ашыйтуғын бирде бир адам шықпады. Бүгингидей маған дузақ қурыў ушын, улымның қулым Даўытты қайрағанын маған билдирген адам да болмады».
9Сол ўақытта Шаулдың әскерлериниң жанында турған эдомлы Доег: «Ишайдың улы Даўыттың Ноб қаласына Ахитубтың улы Ахимелехтиң жанына барғанын көрдим. 10Ахимелех Даўыт ушын Жаратқан Ийеден сорады. Оған азық-аўқат та, филист Голияттың қылышын да берди», – деди.
11Патша Шаул Ахитубтың улы руўханий Ахимелехти ҳәм оның әкесиниң әўладынан болған Нобта жасайтуғын барлық руўханийлерди шақырып келиў ушын адамларын жиберди. Олардың ҳәммеси патшаға келди. 12Шаул Ахимелехке:
– Ҳәй Ахитуб улы, мени тыңла! – деди.
– Ләббәй, тақсыр, – деп жуўап берди Ахимелех.
13Шаул оған:
– Неге сен Ишайдың улы менен бирге маған қарсы тил бириктирдиң? Сен оған нан менен қылыш бердиң ҳәм оның ушын Қудайдан сорадың. Даўыт маған қарсы қозғалаң көтерип, дузақ қурды. Бул бугин анық көринип тур, – деди.
14Ахимелех Шаулға былай деп жуўап берди:
– Пүткил хызметшилериңиз арасында Даўыттай исенимли адам бар ма? Даўыт сизиң күйеў балаңыз, сақшыларыңыздың басшысы ҳәм хожалығыңыздағы ҳүрметли адамлардың бири. 15Мени Даўыт ушын Қудайдан сораўды сол күни баслады дейсиз бе? Әлбетте, яқ! Тақсыр, қулыңыз болған мени ҳәм мениң әкемниң хожалығын айыпламаңыз. Себеби мен бул ис ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын едим.
16Бирақ Шаул оған:
– Ҳәй Ахимелех, өзиң де, әкеңниң пүткил хожалығы да сөзсиз өлесизлер, – деди. 17Соңынан Шаул жанында турған сақшыларына: «Қәнекей, Даўытты қоллаған Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтириңлер. Олар Даўыттың қашып кеткенин билсе де, маған хабар бермеди», – деди. Деген менен, патшаның хызметшилери қол көтерип, Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргиси келмеди. 18Сонда патша Доегке: «Сен барып, руўханийлерди өлтир», – деп буйырды. Сол күни эдомлы Доег барып, зығыр эфод кийген сексен бес руўханийди өлтирди. 19Соңынан ол еркек, ҳаял, бала ямаса нәресте деместен, руўханийлер қаласы Нобтың халқын қылыштан өткизди. Және де, сыйырларды, ешеклерди ҳәм қойларды да шаўып таслады.
20Тек Ахитуб улы руўханий Ахимелехтиң улларының бири Абиятар ғана қутылып, Даўыттың жанына қашып кетти. 21Абиятар Шаулдың Жаратқан Ийениң руўханийлерин өлтиргени туўралы Даўытқа айтып берди. 22Даўыт Абиятарға былай деди: «Сол күни ол жерде эдомлы Доегти көргенимде, оның Шаулға сөзсиз жеткизип баратуғынын билген едим. Әкеңниң хожалығындағы ҳәр бир жанның өлимине мен себепшимен. 23Жанымда қал, қорқпа. Сени өлтирмекши болғанлар мени де өлтирмекши. Жанымда қалсаң, қәўипсиз боласаң», – деди.

 

23

 

Даўыттың Кеила қаласын азат етиўи

 

1Даўытқа: «Филистлер Кеила қаласына ҳүжим жасап, қырманды талан-тараж қылып атыр», – деп хабарлады. 2Даўыт Жаратқан Ийеден:
– Барып, сол филистлерге ҳүжим жасайын ба? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оған:
– Бар да, филистлерге ҳүжим жасап, Кеиланы азат ет, – деди.
3Бирақ Даўыттың адамлары: «Мине, бизлер бул жерде, Яҳудада жүрип қорқамыз. Солай екен, Кеилаға барып, филист әскерлерине қарсы қалай урысамыз?» – деди. 4Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден және сорағанда, Жаратқан Ийе оған: «Турып, Кеилаға бар! Өйткени филистлерди саған Мен тәслим етежақпан», – деди. 5Солай етип, Даўыт адамлары менен Кеилаға барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм олардың малларын қолға киргизди. Ол филистлерди күшли қырғынға ушыратып, Кеила халқын азат етти.
6Ахимелехтиң улы Абиятар қашып, Кеилада турған Даўыттың жанына барғанда, эфодты да өзи менен бирге алып барған еди.

 

Шаулдың Даўытты қуўдалаўы

 

7Шаул Даўыттың Кеила қаласына барғанын еситип: «Қудай Даўытты қолыма услап берди. Даўыт дәрўазалары тәмбиленген бир қалаға кирип, өзин өзи тутып берди», – деди. 8Солай етип, Шаул Кеилаға барып, Даўытты ҳәм оның адамларын қамалға алыў ушын, пүткил халықты саўашқа шақырды.
9Даўыт Шаулдың өзине жаманлық қылыўды режелестиргенин еситкенде, руўханий Абиятарға: «Эфодты[14] берман алып кел», – деди. 10Соңынан ол дуўа етип былай деди:
– О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Қулың болған мен себепли Шаулдың Кеилаға келип, халқын ўайран етпекши екенин еситтим. 11Кеилалылар мени Шаулдың қолына тутып бере ме? Қулыңның еситкениндей, Шаул усы жерге кележақ па? О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңа аян ет.
Жаратқан Ийе:
– Шаул келеди, – деп жуўап берди.
12Даўыт Жаратқан Ийеден:
– Кеила халқы мени ҳәм адамларымды Шаулдың қолына тутып бере ме? – деп сорады.
– Тутып береди, – деп жуўап берди Жаратқан Ийе.
13Сонда Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүздей адам Кеиладан кетип, ҳәр жерде орын өзгертип жүре берди. Даўыттың Кеиладан қашып кеткенин еситкен Шаул ол жерге барыў пикиринен қайтты.
14Даўыт шөлдеги адам бара алмайтуғын жерлерде, Зиф шөлиниң таўлы бөлегинде жасап жүрди. Шаул Даўытты ҳәр күни излесе де, Қудай Даўытты оның қолына тутып бермеди. 15Даўыт Зиф шөлинде, Хореш тоғайында жүргенде, Шаулдың өзин өлтириў ушын жолға шыққанын билип қалды. 16Сол арада Шаулдың улы Йонатан Хореште жасап турған Даўытқа барды ҳәм оны Қудайдың аты менен руўхландырып, оған: 17«Қорқпа, сен әкем Шаулдың қолына түспейсең. Сен Израилға патша боласаң, ал мен сениң жәрдемшиң боламан. Әкем Шаул да буны биледи», – деди. 18Кейин екеўи Жаратқан Ийениң алдында өзлериниң арасындағы келисимди жаңалады. Соңынан Йонатан үйине қайтты, ал Даўыт Хореште қалды.
19Зифлилер Гибаға барып, Шаулға былай деп хабарлады: «Даўыт бизлерде, Ешимонның қубласында, Хахила төбешигиндеги Хорештиң адам бара алмайтуғын жерлеринде жасырынып жүр. 20Ҳәй патша, сен қәлеген ўақтыңда келе бер. Даўытты патшаның қолына тутып бериўди бизлерге қойып бер». 21Шаул оларға былай деди: «Маған жаныңыз ашығаны ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын! 22Барып, және бир мәрте тексерип шығың. Даўыттың қай жерлерде жасырынып жүргенин, сол жерде оны кимлердиң көргенин жақсылап билип алыңлар. Себеби халық оны жүдә ҳийлекер демекте. 23Оның жасырынатуғын жерлериниң ҳәммесин билип алып, маған анық хабар алып келиңлер. Сонда мен де сизлер менен бирге бараман. Егер Даўыт сол үлкеде болса, оны пүткил Яҳуда урыўлары арасынан излеп табаман».
24Солай етип, зифлилер жолға түсип, Шаулдан алдын Зифке келди. Сол ўақытта Даўыт ҳәм оның адамлары Ешимонның қубласындағы далаңлықта, Маон шөлинде еди. 25Шаул адамлары менен Даўытты излеўге шықты. Даўыт Шаулдың киятырғанын еситип, Маон шөлиндеги жартасларға барып жасырынды. Шаул буны еситип, Даўыттың изинен Маон шөлине кетти. 26Шаул таўдың бир тәрепинен, Даўыт пенен оның адамлары таўдың екинши тәрепинен алға қарай жүрди. Даўыт Шаулдан қашып қутылыўға асықты. Ал Шаул ҳәм оның адамлары болса, Даўытты ҳәм оның адамларын қолға түсириў ушын, қоршай баслады. 27Сол ўақытта бир хабаршы келип, Шаулға: «Тез жүриң! Филистлер елимизге ҳүжим жасап атыр», – деди. 28Сонда Шаул Даўытты қуўыўын тоқтатып, филистлер менен урысыўға кетти. Сонлықтан сол жерге Села-Ҳаммахлеқот деген ат берилди.

 

24

 

Даўыттың Шаулдың өмирин сақлап қалыўы

 

1Даўыт сол жерден кетип, Эн-Гедий үлкесиндеги адам бара алмайтуғын жерлерде жасырынып жүрди. 2Шаул филистлер менен болған урыстан қайтып келгенде, Даўыттың Эн-Гедий шөлинде жүргенинен хабар тапты. 3Шаул Даўытты ҳәм оның адамларын «Таў ешкиси» жартаслығынан излеў ушын, пүткил Израилдан үш мың сайланды әскер алып, жолға шықты.
4Жол жийегинде қой қорасы болып, оның жанында бир үңгир бар еди. Шаул майданлаў ушын үңгирге кирди. Ал сол үңгирдиң ең түпкиринде Даўыт пенен оның адамлары отырған еди. 5Адамлары Даўытқа: «Жаратқан Ийе саған: „Душпанларыңа қәлегениңди ислей алыўың ушын, оларды саған тәслим етемен“, – деген еди. Мине, бүгин сол күн келди», – деди.
Сонда Даўыт орнынан турып, билдирмей Шаулдың шапанының шалғайынан кесип алды. 6Бирақ Даўыт кейин ала Шаулдың шалғайынан кесип алғаны ушын, өзин айыплы сезди. 7Даўыт өз адамларына: «Тақсырыма, Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оған бир нәрсе ислеўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Себеби ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – деди. 8Даўыт усы сөзлери менен адамларына тыйым салып, Шаулға қол тийгизиўге рухсат бермеди. Ал Шаул үңгирден шығып, жолға түсти. 9Даўыт та Шаулдың изинше үңгирден шығып: «Тақсыр!» – деп бақырды. Шаул артына қарағанда, Даўыт ет-бетинен жерге жығылып, оған тәжим етти. 10Соңынан ол Шаулға былай деди:
– «Даўыт саған жаманлық қылажақ», – дегенлердиң сөзлерине неге қулақ саласыз? 11Бүгин Жаратқан Ийениң сизди қолыма тутып бергенин көзиңиз бенен көрип турыпсыз. Базылар мениң сизди өлтириўимди қәлеген еди. Бирақ мениң сизге жаным ашып: «Тақсырыма қол тийгизбеймен, өйткени ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – дедим. 12Ҳәй әке, минекей, шапаныңыздың шалғайынан кесип алынған қолымдағы мына қыйындыға қараң! Мен сизиң шапаныңыздың шалғайынан кесип алдым, бирақ сизди өлтирмедим. Буннан кеўлимде жаманлықтың ҳәм зулымлықтың жоқ екенин билип алың. Мен сизге жаманлық қылмасам да, сиз мени өлтирмекши болып атырсыз. 13Жаратқан Ийе арамызда төрелик етсин ҳәм мениң өшимди сизден Ол алсын. Бирақ мен сизге қол көтермеймен. 14Ата-бабаларымыз: «Жаманлық жаман адамлардан шығады», – дегени сыяқлы, мен сизге қол көтермеймен. 15Израил патшасы кимге қарсы шықты? Сиз кимди қуўдалап атырсыз? Өлген ийтти ямаса бир бүргени емес пе? 16Жаратқан Ийе бизлерге қазылық етип, қай биримиздиң ҳақ екенимизди шешип берсин. Жаратқан Ийе даўымды қарап шықсын ҳәм мени жақлап, сизиң қолыңыздан қутқарсын.
17Даўыт сөзин тамамлағанда, Шаул оған:
– Даўыт, улым! Бул сениң даўысың ба? – деп сорады ҳәм өкирип жылай баслады. 18Соңынан ол былай деди:
– Сен маған қарағанда әдилирексең. Мен саған жаманлық ислесем де, сен маған жақсылық пенен жуўап бердиң. 19Бүгин сен маған жақсы қатнаста екенлигиңди дәлилледиң. Жаратқан Ийе мени қолыңа тутып берсе де, мени өлтирмедиң. 20Душпанын тутып алған қайсы бир адам оны аман жибереди? Бүгин маған ислеген жақсылығың ушын, Жаратқан Ийе саған жақсылық сыйласын! 21Енди мен сениң сөзсиз патша болатуғыныңды билдим. Израил патшалығы сениң қолыңда беккем болады. 22Енди меннен кейин урпақларымды жоқ қылмайтуғыныңды, әкемниң хожалығынан атымды өширмейтуғыныңды айтып, Жаратқан Ийениң алдында ант иш.
23Даўыт Шаулға ант берди. Соннан кейин, Шаул үйине қайтты, ал Даўыт ҳәм оның адамлары паналаған жерлерине кетти.

 

25

 

Самуелдиң өлими

 

1Сол арада Самуел дүньядан өтти. Пүткил Израил халқы жыйналып, оған жоқлаў айтып жылап, оны Рамадағы өз үйине жерледи.
Буннан соң, Даўыт Паран шөлине кетти.

 

Даўыт, Набал ҳәм Абигайыл

 

2Маон қаласында жүдә бай бир адам бар еди. Оның жер ийелиги Кармел аўылында болып, үш мың қойы ҳәм мың ешкиси бар еди. Ол сол ўақытта Кармелде қойларының жүнин қырқып атырған еди. 3Бул адам Калеб урпағынан болып, аты Набал, ҳаялының аты Абигайыл еди. Ҳаялы ақыллы ҳәм сулыў, ал күйеўи турпайы ҳәм жаўыз адам еди.
4Даўыт шөлде жүргенде, Набалдың қойларын қырқып атырғанын еситти. 5Сонда Даўыт он жигитти Набалға жиберип атырып, оларға былай деп буйырды: «Кармелдеги Набалға барыңлар, оған меннен сәлем айтып, 6былай деңлер: „Өмириңиз узақ болсын! Сизге, үй-ишиңизге ҳәм өзиңизге тийислиниң ҳәммесине аманлық болсын! 7Ҳәзир қойларыңызды қырқып атырғаныңызды еситтим. Шопанларыңыз бизлер менен бирге болғанда, оларды қапа қылмадық. Кармелде болған ўақытта ҳеш нәрсеси де жоғалмады. 8Хызметшилериңизден сорап көрсеңиз, олар сизге айтып береди. Сонлықтан адамларымды жыллы жүзлилик пенен қарсы алсаңыз. Себеби сизге байрам күни келип турмыз. Өтиниш, қулларыңызға ҳәм улыңыз Даўытқа қолыңызда барынан берсеңиз“».
9Даўыттың адамлары барып, бул сөзлерди Даўыттың атынан Набалға жеткизип болып, жуўап күте баслады. 10Бирақ Набал оларға мына жуўапты қайтарды: «Даўыт деген ким өзи? Ишайдың улы ким болыпты? Усы күнлери хожайынларынан қашып жүрген қуллар көбейип кетти. 11Мен не қой қырқып атырған адамларыма арнап қойған нанымды, суўымды ҳәм сойған малымның гөшин қаяқтан келгени белгисиз бир адамларға бериўим керек пе?»
12Даўыттың адамлары келген жолы менен қайтып кетти. Олар Набалдың айтқанларының ҳәммесин Даўытқа жеткизди. 13Даўыт адамларына: «Ҳәмме қылышларыңызды асыныңлар!» – деп буйырды. Даўыт та, адамлары да қылышларын асынып алды. Төрт жүзге жақын адам Даўыт пенен бирге кетти, ал еки жүз адам қурал-сайманлар жанында қалды.
14Сол арада Набалдың хызметшилеринен бири оның ҳаялы Абигайылға мынадай хабар жеткизди: «Даўыт мырзамыз Набалға шөлден өз хабаршыларын жиберип, сәлем жоллаған еди. Бирақ Набал оларға турпайы қатнаста болды. 15Ал ол адамлар болса, бизлерге жүдә жақсы қатнаста болған еди. Олар бизлерди ренжитпеди. Жайлаўда олар менен бирге болған ўақтымызда, ҳеш нәрсемиз жоғалмады. 16Олардың қасларында қой баққанымызда, олар бизлерди күни-түни қорғап жүретуғын еди. 17Енди не ислеў кереклигин жақсылап ойлап көриң. Өйткени мырзамыздың ҳәм оның пүткил үй-ишиниң басына апат дөнип тур. Мырзамыз соншелли зулым болғанлықтан, ҳеш бир адам оған бир аўыз сөз айта алмайды».
18Сонда Абигайыл ўақытты бос жибермей, еки жүз нан, еки мес шарап, бес қойдың гөшин, бес сеа[15] қуўырмаш, нығызланған кишмиштен жүз дана ҳәм кептирип нығызланған әнжирден еки жүз дана алып, оларды ешекке артты. 19Соңынан ҳаял хызметшилерине: «Сизлер мениң алдымнан жүриңлер, мен сизлердиң изиңизден бараман», – деди. Бирақ ол күйеўи Набалға ҳеш нәрсе айтпады. 20Абигайыл ешекке минип, таўдың соқпақ жоллары арқалы төменге түсип киятырғанда, өзине қарсы киятырған Даўытты ҳәм оның адамларын ушыратты. 21Даўыт адамларына мына сөзлерди айтып атырған екен: «Бул адамның шөлдеги мал-мүлкин бийкарға қорыған екенмен. Оның ҳеш бир нәрсеси жойтылып кетпеди. Ал ол болса, жақсылығыма жаманлық пенен жуўап қайтарды. 22Егер азанға шекем Набалға тийисли еркек затынан биреўин тири қалдырсам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!»
23Абигайыл Даўытты көриўден дәрҳал ешектен түсти де, Даўыттың алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти. 24Оның аяқларына бас урып, былай деп жалбарынды: «Мырзам, айыпты мен, жалғыз мен мойныма аламан. Шорыңыз болған маған бир аўыз сөз айтыўға рухсат етиң. Айтқанларыма қулақ салың. 25Жалбарынаман, мырзам, сол Набал деген оңбаған адамға итибар бермеңиз. Аты ақылсыз дегенди билдиреди, сол сыяқлы өзи де ақылсыздың бири. Тилекке қарсы шорыңыз болған мен мырзам, сизиң жиберген адамларыңызды көрмей қалдым. 26Енди, мырзам, Жаратқан Ийе сизди қан төгиўден, өз қолыңыз бенен өш алыўдан сақлап қалды. Тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: душпанларыңыздың ҳәм сизге жаманлық тилейтуғынлардың ҳәммесиниң басына Набалдың басына түсетуғын күн түссин. 27Мырзам, сизге алып келген мына сыйларымды изиңизге ерген адамларға берсеңиз. 28Шорыңыздың гүнасын кешириң. Жаратқан Ийе, әлбетте, урпағыңызды турақлы қылады. Себеби мырзам, сиз Жаратқан Ийе ушын урысып жүр. Өмириңиздиң ақырына шекем сизде ҳеш бир наҳақлық болмасын. 29Егер биреў сизди өлтириў ушын қуўып жүрсе, Қудайыңыз Жаратқан Ийе өмириңизди Өз панасында асырайды. Ол душпанларыңызды сақпаннан атылған тастай етип ылақтырып таслайды. 30Жаратқан Ийе сизге ўәде еткен ийгиликлериниң ҳәммесин орынлап, сизди Израилға ҳүкимдар етип қояды. 31Сонда өзим ушын өш алып, жөнсиз қан төктим деп азап шегип, пушайман болмайсыз. Жаратқан Ийе мырзама табыс бергенде, өз шорыңызды еске алың».
32Даўыт Абигайылға былай деди: «Бүгин сени маған ушырастырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! 33Берекет тапқайсаң! Жақсы ақыл берип, бүгин мени қан төгиўден ҳәм өз қолым менен өшимди алыўдан сақлап қалғаның ушын жарылқаў алғайсаң. 34Саған жаманлық қылыўдан сақлап қалған Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: егер сен мени ушыратыў ушын, асығыслық пенен жолға шықпағаныңда, таң атқанша, Набалға тийисли ер адамлардың биреўи де тири қалмаған болар еди».
35Даўыт Абигайылдың сыйларын қабыл етип: «Аман-есен үйиңе қайт. Сөзлериңе қулақ салып, тилегиңди қабыл еттим», – деди.
36Абигайыл Набалдың жанына қайтып келгенде, Набал үйинде патшалық зыяпаттай етип зыяпат берип атырған екен. Ол жүдә мәс болып, кеўли көтериңки еди. Сонлықтан азанға шекем Абигайыл оған ҳеш нәрсе айтпады. 37Ертеңине азанда Набал өзине келгеннен соң, ҳаялы оған болған ўақыяларды айтып берди. Сол ўақытта-ақ Набалдың жүреги музлап, ләң болып қалды. 38Онлаған күннен кейин, Жаратқан Ийе Набалды жазалап, оны өлтирди.
39Даўыт Набалдың өлгенин еситкенде: «Мени масқаралаған Набалға қарсы даўымды қарап шығып, қулын жаманлық ислеўден сақлап қалған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Жаратқан Ийе оның жаманлығын өзине қайтарды», – деди.
Соңынан Даўыт Абигайылға үйленбекшилигин билдириў ушын адам жиберди. 40Даўыттың адамлары Кармелдеги Абигайылға барып: «Даўыт саған үйленбекши. Соны билдириў ушын бизлерди жиберди», – деди. 41Абигайыл маңлайы жерге тийгенше ийилип: «Мине, мен, ҳәтте, Даўыттың хызметшилериниң шорысы болыўға да таярман», – деди. 42Абигайыл тез орнынан турды да, ешекке минди. Қасына бес шорысын алып, Даўыттың хабаршыларының изинен жолға түсти. Соңынан ол Даўыттың ҳаялы болды.
43Даўыт изреелли Ахиноамға үйленген еди. Солай етип, Даўыттың еки ҳаялы болды. 44Сол арада Шаул қызы Михалды, яғный Даўыттың ҳаялын галлимли Лайыштың улы Палтийге берип жиберген еди.

 

26

 

Даўыттың Шаулдың жанын және сақлап қалыўы

 

1Зифлилер Гибаға, Шаулға келип: «Даўыт Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигинде жасырынып жүр», – деди. 2Шаул Израилдың үш мың сайланды әскерин алып, Зиф шөлине Даўытты излеў ушын шықты. 3Олар Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигиндеги жол бойына орда қурды. Шөлде жүрген Даўыт Шаулдың өзин излеп, сол жерге келгенин билгенде, 4тыңшылар жиберди. Солай етип, ол Шаулдың сол жерге келгенин анық билип алды.
5Сонлықтан Даўыт Шаулдың орда қурған жерине барып, Шаул менен сәркәрда Нер улы Абнердиң қай жерде жатырғанын көрди. Шаул орданың ортасында, ал әскерлер оның әтирапында жатырған екен.
6Сол ўақытта Даўыт хетт халқынан болған Ахимелехтен ҳәм Йоабтың әжағасы Серуяның улы Абишайдан:
– Ким мениң менен бирге ордаға, Шаулдың жанына барады? – деп сорады.
Абишай:
– Сениң менен мен бараман, – деп жуўап берди.
7Даўыт пенен Абишай сол күни кеште ордаға кирди. Шаул найзасын бас ушына жерге шаншып қойып, орданың ортасында уйықлап атырған еди. Абнер менен әскерлер де оның әтирапында уйықлап атырған еди.
8Сонда Абишай Даўытқа:
– Бүгин Қудай душпаныңды қолыңа тутып берди. Енди рухсат бер, оны найза менен бир урғанда жерге қадап қояйын. Екинши рет урыўыма ҳәжет қалмайды, – деди.
9Бирақ Даўыт оған былай деди:
– Яқ, оны өлтирме. Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерген адам жазасыз қалмайды. 10Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Шаулды Жаратқан Ийениң Өзи өлтиреди. Ол я өмири таўысылып өледи, я урыста өледи. 11Бирақ Жаратқан Ийениң майлаған адамына қарсы қол көтериўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Оның бас ушындағы найзасы менен гүзесин алайық та, кетейик.
12Солай етип, Даўыт Шаулдың бас ушындағы найзасы менен гүзесин алды да, сол жерден кетип қалды. Оларды ҳеш ким көрмеди. Болып өткен ўақыяны ҳеш ким билмеди, ҳеш ким оянбады да. Олардың ҳәммеси қатты уйықлап атырған еди. Өйткени Жаратқан Ийе оларға терең уйқы берген еди.
13Даўыт арғы тәрепке өтип, узағырақтағы бир төбешикке шығып турды. Олардың арасы әдеўир қашық еди. 14Даўыт әскерлерге ҳәм Нер улы Абнерге:
– Ҳәй Абнер, маған жуўап бер, – деди.
Абнер оған:
– Бақырып, патшаның тынышын алатуғындай сен кимсең? – деди.
15Даўыт оған былай деп жуўап берди:
– Сен еркек емессең бе? Израилда саған тең келетуғыны бар ма? Солай екен, неге патшаңды қорғамадың? Себеби биреў оны өлтириў ушын ордаға кирди. 16Сен өз хызметиңди жақсы орынламадың. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳәммеңиз өлимге ылайықлысыз. Өйткени тақсырыңызды, Жаратқан Ийениң майлаған адамын қорғамадыңыз. Қарап көр, патшаның бас ушындағы найзасы менен гүзеси қаяқта?
17Даўыттың даўысын таныған Шаул:
– Даўыт, улым, бул сениң даўысың ба? – деп сорады.
Даўыт оған былай деп жуўап берди:
– Аўа, тақсыр, мениң даўысым. 18Тақсыр, қулыңызды неге қуўдалай бересиз? Мен не қылдым? Жазығым не? 19Тақсыр! Қулыңыздың сөзине қулақ салсаңыз. Егер сизди маған қарсы қайраған Жаратқан Ийе болса, онда бир қурбанлық берип, Оны тынышландырың. Егер бул исти адамлар ислеген болса, олар Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Өйткени олар: «Кет, басқа қудайларға хызмет ет», – деп, Жаратқан Ийениң жеринен, мениң үлесиме тийген жерден мени қуўып жиберди. 20Қаным Жаратқан Ийеден узақ жерлерде төгилмесин. Израил патшасы таўларда кеклик аўлаған аңшы сыяқлы, бир бүргени аўлаўға шығыпты.
21Сонда Шаул:
– Гүна иследим. Даўыт, улым, изиңе қайт. Бүгин мениң жанымды қәдирли көргениң ушын, буннан былай, саған ҳеш бир жаманлық ислемеймен. Мен ақылсызлық пенен ис тутып, жүдә үлкен қәтеге жол қойдым, – деди.
22Даўыт оған былай деди:
– Мине, патшаның найзасы. Адамларыңыздан бири келип, оны алсын. 23Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның әдиллигине ҳәм садықлығына қарай сый береди. Бүгин Жаратқан Ийе сизди қолыма тутып берсе де, мен Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтергим келмеди. 24Бүгин сизиң өмириңиз маған қәдирли болғанындай, Жаратқан Ийе де мениң өмиримди қәдирли көрсин ҳәм мени ҳәр қандай бәледен қутқарсын.
25Шаул Даўытқа:
– Даўыт, улым, сени Жаратқан Ийе жарылқасын! Сен сөзсиз уллы ислер ислейсең ҳәм жеңиске ерисесең, – деди.
Буннан кейин, Даўыт өз жолына түсти, ал Шаул болса, үйине қайтты.

 

27

 

Даўыт филистлер арасында

 

1Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады.
2Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти. 3Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди. 4Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.
5Даўыт Ахишке: «Егер мақул көрсеңиз, әтираптағы қалалардың биринен маған бир жер берилсин, мен сол жерде жасайын. Себеби қулыңыз болған маған сизиң менен бирге патшаның қаласында жасаўдың неге кереги бар?» – деди. 6Ахиш сол күни Даўытқа Сиклаг қаласын берди. Сол себептен Сиклаг ҳәзирге дейин Яҳуда патшаларына тийисли қала болып қалды. 7Даўыт филистлер елинде бир жыл төрт ай жасады.
8Сол ўақыт ишинде Даўыт ҳәм оның адамлары гешур, гизер ҳәм амалек халықларына шабыўыл жасады. Бул халықлар узақ ўақытлардан бери Шурға, ҳәтте, Мысырға шекем созылған жерлерде жасайтуғын еди. 9Даўыт қай жерге шабыўыл жасаса да, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмай, тек олардың қойларын, өгизлерин, ешеклерин, түйелерин ҳәм кийим-кеншеклерин алып, патша Ахишке қайтып келетуғын еди.
10Егер Ахиш Даўыттан: «Бүгин қай жерлерге шабыўыл жасадыңыз?» – деп сораса, Даўыт оған: «Яҳуданың қубла тәрепине, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық», – деп жуўап беретуғын еди. 11Даўыт ҳеш бир адамның Гатқа келип: «Даўыт олай иследи ямаса Даўыт булай иследи», – деп айтпаўы ушын, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмайтуғын еди. Даўыт филистлердиң елинде жасаған ўақтының ҳәммесинде усылай иследи.
12Ахиш Даўытқа исенип: «Даўыт өз халқы болған израиллыларға жек көринши болды. Буннан былай, ол мәңгиге мениң хызметимде болады», – деп ойлады.

 

28

 

1Сол күнлери филистлер Израил менен урысыў ушын әскерлерин топлады. Ахиш Даўытқа:
– Билип қой, сен адамларың менен бирге мениң жанымда урысасаң, – деди.
2Даўыт оған:
– Сол ўақытта сиз де қулыңыздың нелер қылатуғынын көресиз, – деп жуўап берди.
Ахиш оған:
– Яқшы, онда мен сени бир өмирге өзимниң жеке сақшым етип тайынлайман, – деди.

 

Шаулдың әрўақ шақырыўшы ҳаялға барыўы

 

3Самуел өлгенде, пүткил Израил халқы оған жоқлаў айтып жылап, оны өз қаласы Рамаға жерлеген еди. Ал Шаул болса, әрўақ шақырыўшылар менен палкерлерди елден қуўып жиберген еди.
4Филистлер топланып, Шунемге келди ҳәм сол жерге орда қурды. Шаул да пүткил израиллыларды топлап, Гилбоа таўына орда қурды. 5Шаул филист әскерлерин көргенде қорқып кетип, жүрегин қорқыныш бийлеп алды. 6Ол Жаратқан Ийеден сораса да, Жаратқан Ийе оған түс арқалы да, Урим[16] арқалы да, пайғамбарлар арқалы да жуўап бермеди. 7Сонлықтан Шаул хызметшилерине:
– Маған әрўақ шақыратуғын бир ҳаялды таўып келиң. Оған барып, мәсләҳәт сорайын, – деп буйырды.
Хызметшилери оған:
– Эн-Дорда әрўақ шақыратуғын бир ҳаял бар, – деди.
8Шаул кийимин алмастырып, сыртқы көринисин өзгертти де, жанына еки адамды алып, түнде сол ҳаялға келди. Шаул ҳаялға:
– Өтинемен, мен ушын әрўақлардан сорап, мен айтқан адамның әрўағын шақырып бер, – деди.
9Бирақ ҳаял:
– Шаулдың нелер ислегенин, әрўақ шақырыўшылар менен палкерлерди елден қуўып жибергенин билесең. Солай екен, неге мени өлтириў ушын дузақ қойып атырсаң? – деди.
10Шаул оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул истен саған ҳеш қандай зыян келмейди, – деди.
11Сонда ҳаял Шаулдан:
– Саған кимди шақырып берейин? – деп сорады.
Шаул оған:
– Маған Самуелди шақырып бер, – деди.
12Ҳаял Самуелди көргенде, даўысының барынша бақырып жиберип, Шаулға:
– Сиз Шаулсыз-ғо, неге мени алдадыңыз? – деди.
13Патша оған:
– Қорқпа, не көрип турсаң? – деди.
Ҳаял оған:
– Жердиң астынан шығып киятырған бир әрўақты көрип турман, – деп жуўап берди.
14Шаул ҳаялдан:
– Оның көриниси қандай? – деп сорады.
Ҳаял оған:
– Үстине шапан кийген бир ғарры адам жоқарыға шығып киятыр, – деди.
Сонда Шаул оның Самуел екенин билди де, ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти.
15Самуел Шаулға:
– Неге мени шақырып, тынышымды алдың? – деди.
Шаул оған:
– Мен жүдә қыйналып атырман. Филистлер маған қарсы урыспақта. Қудай да мени таслап кетти. Ол маған пайғамбарлар арқалы да, түслерим арқалы да жуўап бермей қойды. Сонлықтан не ислеўим кереклигин билдириўиң ушын, сени шақыртқан едим, – деди.
16Самуел оған былай деп жуўап берди:
– Жаратқан Ийе сени таслап кетип, саған душпан болған болса, енди неге меннен сорап турсаң? 17Жаратқан Ийе мен арқалы айтқанларын жүзеге асырды. Ол патшалықты сеннен тартып алып, оны жаныңдағы адамға, яғный Даўытқа берди. 18Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, Оның жалынлы ғәзебин амалеклерге шашпадың. Сонлықтан Жаратқан Ийе бүгин бул нәрселерди сениң басыңа салды. 19Жаратқан Ийе сени де, Израил халқын да филистлерге тәслим етеди. Ертең сен ҳәм сениң улларың мениң жанымда боласызлар. Жаратқан Ийе Израил ордасын да филистлерге тәслим етеди.
20Шаул бирден гүрс етип жерге қулады. Ол Самуелдиң сөзлеринен қатты қорқып кетип, күши де қалмаған еди. Себеби ол бир күн ҳәм бир түн бойы дуз татпаған еди. 21Ҳаял Шаулға жақынлап келди де, оның қатты қорқып кеткенин көрип былай деди:
– Минекей, шорыңыз болған мен гәпиңизге қулақ астым. Жанымды қәтерге қойып, тилегиңизди орынладым. 22Енди өтинемен, сиз де шорыңыз болған мениң сөзлеримди тыңлаң. Сизге азғантай аўқат алып келиўге рухсат бериң. Жолыңызды даўам етиўге дәрман болыў ушын, аўқатланып алыңыз.
23Бирақ Шаул:
– Жемеймен, – деп бас тартты.
Деген менен, хызметшилери де, ҳаял да зорлай бергеннен кейин, Шаул олардың айтқанын иследи. Ол жатқан жеринен турып, төсекке отырды. 24Ҳаялдың қорасында бағып отырған бир жас баспағы бар еди. Ҳаял оны дәрриў сойды, қамыр ийлеп, ашытқысыз нан писирди. 25Соңынан оларды Шаул ҳәм оның хызметшилериниң алдына қойды. Олар ишип-жеп болып, сол күни түнде кетип қалды.

 

29

 

Филистлердиң Даўытқа исенбеўи

 

1Филистлер пүткил әскерлерин Афекке топлады. Израиллылар болса, Изреелдеги булақтың жанына орда қурып, жайласып алған еди. 2Филист ҳүкимдарлары жүз ҳәм мың адамлық топарлар менен баратырған еди. Даўыт ҳәм оның адамлары патша Ахиш пенен бирге изде киятырған еди. 3Филист әскербасылары:
– Мына еврейлер бул жерде не қылып жүр? – деп сорағанда, Ахиш оларға:
– Бул адам Израил патшасы Шаулдың хызметшиси Даўыт болады. Бир жылдан аслам ўақыттан бери, ол мениң жанымда жүр. Мен тәрепке өткеннен бери, оннан бирде бир жаманлық көрмедим, – деп жуўап берди.
4Бирақ филист әскербасылары Ахишке ашыўланып былай деди:
– Бул адамды изине қайтарып жибер. Ол сениң өзине берген жерине қайтсын. Бизлер менен урысқа бармасын, болмаса саўаш ўақтында бизге қарсы шығыўы мүмкин. Ол алдынғы мырзасына өзин қалай жақсы көрсете алады? Оған адамларымыздың басын алып барыўдан басқа жақсы жол бар ма? 5Олардың ойынға түсип:

 

«Шаул мыңлағанын,
Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди»,

 

– деп қосық айтып жүргенлери усы Даўыт емес пе?
6Сонда Ахиш Даўытты шақырып алып былай деди:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сен ҳақ адамсаң. Мениң менен бирге урысқа барыўыңды қәлер едим. Сен жаныма келген күннен бери, ҳеш бир жаман ис ислегениңди көрмедим. Бирақ сен филист ҳүкимдарларына жақпадың. 7Енди аман-есен изиңе қайта бер. Және филист ҳүкимдарларына жақпайтуғын ис ислеп қойма.
8Даўыт Ахишке:
– Бирақ мен не қылдым? Жаныңызға келгеннен баслап, ҳәзирге дейин меннен қандай айып таптыңыз? Тақсыр, не ушын мен барып, сизиң душпанларыңызға қарсы урыса алмайман? – деди.
9Ахиш оған былай деди:
– Билемен, сен мениң нәзеримде Қудайдың периштеси сыяқлы жақсысаң. Деген менен, филист әскербасылары сени: «Бизлер менен урысқа бармасын», – деп атыр. 10Енди сен ҳәм сениң менен бирге келген мырзаң Шаулдың қуллары азанда ерте турып, таң атар-атпастан кетиңлер.
11Солай етип, Даўыт ҳәм оның адамлары филистлердиң жерине қайтыў ушын, азанда ерте турды. Ал филистлер болса, Изреелге кетти.

 

30

 

Даўыттың амалеклерди жеңиўи

 

1Даўыт ҳәм оның адамлары үшинши күни Сиклаг қаласына жетип келди. Сол арада амалеклер Негебке ҳәм Сиклагқа шабыўыл жасап, Сиклагты өртеп жиберген еди. 2Олар ҳеш кимди өлтирмей, тек ҳаялларды ҳәм сол жерде болған үлкен-кишиниң ҳәммесин тутқын етип, өзлери менен бирге алып кеткен еди.
3Даўыт адамлары менен ол жерге жетип барғанда, қаланың өртеп жиберилгенин, ҳаяллары, уллары ҳәм қызларының тутқынға алынғанын билди. 4Олар ҳалдан тайғанша, дад салып жылады. 5Даўыттың еки ҳаялы, изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да тутқын етилген еди. 6Даўыт қыйын жағдайда қалды. Себеби ҳәр бир адам уллары ҳәм қызлары ушын қайғырып: «Даўытты тас боран қылып өлтиремиз», – дести. Бирақ Даўыт өз Қудайы Жаратқан Ийеден күш алды. 7Ол Ахимелех улы руўханий Абиятарға: «Маған эфодты алып кел», – деди. Абиятар эфодты алып келди. 8Даўыт Жаратқан Ийеден:
– Бул басқыншыларды қуўып барсам, оларға жете аламан ба? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оған:
– Изинен қуў, әлбетте, оларға жетип алып, тутқынларды азат етесең, – деп жуўап берди.
9Солай етип, Даўыт жанындағы алты жүз адам менен жолға шығып, Бесор сайының жағасына келди. Олардың ҳалдан тайғанлары сол жерде қалды. 10Ал Даўыттың өзи төрт жүз адам менен басқыншыларды қуўыўды даўам етти. Сайды кесип өтиўге шамасы келмеген еки жүз адам сол жерде қалды.
11Олар қыр даладан бир мысырлыны таўып алып, Даўыттың алдына алып келди. Оған ишиўге суў ҳәм жеўге азық берди. 12Және де, оған кептирип нығызланған бир бөлек әнжир менен еки бөлек кишмиш берди. Сол адам жеп, ҳәлленип алды. Ол үш күн, үш түн дуз татпаған ҳәм суў да ишпеген еди. 13Даўыт оннан:
– Сен кимниң қулысаң? Қай жерденсең? – деп сорады.
Жигит былай деп жуўап берди:
– Мен мысырлыман, бир амалектиң қулы едим. Үш күн бурын наўқасланып қалғанлығым себепли, хожайыным мени таслап кетти. 14Бизлер керетлердиң қубла шегарасына, яғный Яҳуда жерлерине ҳәм Калебтиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық. Ал Сиклаг қаласын өртеп жибердик.
15Даўыт оннан:
– Мени сол басқыншыларға алып бара аласаң ба? – деп сорады.
Жигит оған:
– Мени өлтирмейтуғыныңызды ҳәм хожайынымның қолына тапсырмайтуғыныңызды айтып, Қудайдың алдында ант ишсеңиз, мен сизди сол басқыншыларға алып бараман, – деп жуўап берди.
16Солай етип, мысырлы Даўытқа жол көрсетип кетти. Басқыншылар дөгерекке жайылып, филистлердиң жеринен ҳәм Яҳудадан басып алған үлкен олжаларынан ишип-жеп мәслик қурып атырған еди. 17Даўыт ертеңине таң азаннан күн батқанға дейин оларды қырды. Басқыншылардың түйелерге минип қашқан төрт жүз жигитинен басқа бирде биреўи қутылып кете алмады. 18Даўыт амалеклер алып кеткен нәрселердиң ҳәммесин, сондай-ақ өзиниң еки ҳаялын да қутқарды. 19Жаслар, ғаррылар, уллар, қызлар, олжаланған маллар, қулласы, амалеклердиң алып кеткенлеринен ҳеш бири жоғалмады. Даўыт ҳәммесин қайтарып алды. 20Ол пүткил қой ҳәм қара малларды да алды. Даўыттың адамлары оларды өз малларының алдына салып, айдап баратырып: «Бул Даўыттың олжасы», – деп айтатуғын еди.
21Соннан соң, Даўыт изине ериўге ҳаллары келмей, Бесор сайының жағасында қалған еки жүз адамның жанына барды. Олар да Даўытты ҳәм оның жанындағыларды күтип алыўға шықты. Даўыт жақынласып, олар менен аманласты. 22Бирақ Даўыт пенен кеткен жаман ҳәм оңбаған адамлардың ҳәммеси:
– Булар бизлер менен бирге бармағанлықтан, олжаға алынған нәрселерден оларға пай бермеймиз. Ҳәр бири тек ҳаялын ҳәм балаларын алып кетсин, – деди.
23Бирақ Даўыт оларға былай деди:
– Яқ, туўысқанларым! Жаратқан Ийениң бизге бергенлерине булай ислемеңлер. Ол бизлерди қорғады ҳәм бизлерге шабыўыл жасаған басқыншыларды қолымызға тутып берди. 24Сизлердиң бул сөзлериңизди ким қабыл етеди? Саўашқа барғанлар менен жүклердиң қасында қалғанлардың пайы теңдей болады. Ҳәр бир нәрсе теңдей бөлип бериледи.
25Сол күннен баслап, Даўыт буны Израил ушын дәстүрге айландырып, қағыйда етип бекитти. Ол ҳәзирге дейин сақланып келмекте.
26Даўыт Сиклагқа қайтып келгеннен соң, дослары болған Яҳуда ақсақалларына алынған олжалардан жиберип атырып: «Мине, бул Жаратқан Ийениң душпанларынан алынған олжалардан сизлерге саўға», – деди. 27Ол саўғаларды Бейт-Эл, Негебтеги Рамот, Яттир, 28Ароер, Шифмот, Эштемоа, 29ҳәм Рахалда болғанларға, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қалаларында болғанларға, 30Хорма, Бор-Ашан, Атах 31ҳәм Хебронда болғанларға, сондай-ақ, өзи адамлары менен бирге гезген барлық жердегилерге жиберди.

 

31

 

Шаулдың ҳәм оның улларының өлими

 

1Сол ўақытта филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды. 2Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Йонатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди. 3Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол аўыр жарақатланды. 4Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, қылышын суғып, мени хорлайды», – деди. Бирақ нөкер қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады. 5Шаулдың өлгенин көргенде, оның нөкери де өзин қылыштың үстине таслап, Шаул менен бирге өлди. 6Солай етип, Шаул, оның үш улы, нөкери ҳәм пүткил адамлары бир күнде қаза тапты.
7Ойпатлықтың арғы тәрепинде ҳәм Иордан дәрьясының аржағында жасайтуғын израиллылар Израил әскерлериниң қашып, Шаул ҳәм оның улларының өлгенин билгенде қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасты.
8Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаул ҳәм оның үш улының өлигин көрди. 9Олар Шаулдың басын кесип, қуралларын алды. Соңынан бул хош хабарды бутханаларына ҳәм халық арасына таратыў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди. 10Шаулдың қурал-жарағын қудайы Аштартаның бутханасына қойды, ал денесин Бейт-Шан қаласының дийўалына асып қойды.
11Ябеш-Гилад халқы филистлердиң Шаулға ислеген ислери туўралы еситти. 12Қаладағы мәрт жигитлердиң ҳәммеси түни менен жол жүрип, Бейт-Шанға барды. Олар Шаулдың ҳәм оның улларының денелерин Бейт-Шан дийўалларынан түсирип алып, Ябешке алып келди ҳәм сол жерде жағып жиберди. 13Соңынан сүйеклерин жыйнап алып, Ябештеги тамариск ағашының астына көмди ҳәм жети күн ораза тутып, азалады.

 

 

 

Патшалық ҳаққында 2-китап

Патшалық туўралы екинши китап

 

 

1

 

Даўыттың Шаулдың өлими туўралы еситиўи

 

1Шаул патша қаза тапқан еди. Сол арада Даўыт амалеклер үстинен жеңиске ерисип, Сиклаг қаласына қайтып келди ҳәм ол жерде еки күн қалды. 2Үшинши күни Шаулдың ордасынан қайғысының белгиси ретинде кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан бир адам келди. Ол Даўытқа жақынласқаннан жерге жығылып, оған тәжим етти. 3Даўыт оннан:
– Қай жерден киятырсаң? – деп сорады.
Сол адам Даўытқа:
– Израил ордасынан қашып қутылдым, – деп жуўап берди.
4Даўыт оған:
– Не болды, маған айтып бер, – деди.
Сол адам Даўытқа:
– Әскерлер саўаш майданынан қашып кетти. Олардың көпшилиги қырылып қалды. Солардың ишинде Шаул менен оның улы Йонатан да өлди, – деди.
5Сонда Даўыт хабаршы жигиттен:
– Шаулдың ҳәм оның улы Йонатанның өлгенин қаяқтан билесең? – деп сорады.
6Жигит Даўытқа былай деп жуўап берди:
– Тосаттан Гилбоа таўына барып қалдым. Қарасам, ол жерде Шаул найзасына сүйенип турған екен. Ал душпанның саўаш арбалары менен арбакешлери болса, оған жақынласып киятырған екен. 7Сонда Шаул артына бурылып, мени көрип қалды да, қасына шақырды. Мен оған: «Ләббәй», – дедим. 8Ол меннен: «Сен кимсең?» – деп сорады. Мен оған: «Мен бир амалекпен», – деп жуўап бердим. 9Шаул маған: «Берман келип, мени өлтир. Себеби жаным шықпай, қыйналып атырман», – деди. 10Мен жанына барып, оны өлтирдим. Өйткени аўыр жарақатланып қулағаннан кейин, тири қалмайтуғынын билген едим. Мен оның басындағы тажы менен қолына тағылған шынжырын алдым ҳәм оларды усы жерге, мырзам, сизге алып келдим.
11Буны еситкен Даўыт ҳәм оның жанындағылар қайғыдан кийимлерин жыртты. 12Олар қылыштан қаза тапқан Шаул, оның улы Йонатан ҳәм Жаратқан Ийениң халқы болған израиллылар ушын кешке шекем жоқлаў айтып жылап, ораза тутты.
13Даўыт өзине хабар алып келген жигиттен:
– Қай жерлисең? – деп сорады.
Жигит оған:
– Мен бир келгинди амалектиң улыман, – деп жуўап берди.
14Сонда Даўыт оған:
– Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оны өлтириўге қорқпадың ба? – деди. 15Соңынан Даўыт адамларынан бирин шақырып: «Бар, оны өлтир!» – деп буйырды. Солай етип, сол адам амалек жигитти өлтирди. 16Даўыт амалек жигитке: «Өз басыңа өзиң жеттиң. Өйткени: „Жаратқан Ийениң майлаған адамын мен өлтирдим“, – деп өзиңе қарсы өз аўзың менен гүўалық бердиң», – деди.

 

Даўыттың Шаул ҳәм Йонатан ушын айтқан жоқлаўы

 

17Даўыт Шаул ҳәм оның улы Йонатан ушын жоқлаў айтты. 18Соңынан бул жыр Яҳуда халқына үйретилсин деп буйырды. «Оқ жай» деп аталған усы жыр Яшар китабында жазылған:

 

 

19«Ҳәй Израил! Бийик төбешиклерде жоқ болды салтанатың!
Қалай жерге қулады батырларың!
20Бул хабарды Гатқа еситтирмең,
Ашкелон көшелеринде жайып жүрмең.
Еситип, филист қызлары қуўанбасын,
Сүннетсизлердиң қызлары шадланбасын.
21Ҳәй, Гилбоа таўлары,
Үстиңизге шық түсип, жаўын жаўмасын,
Жерлериң өним де бермесин.
Себеби батырлардың қалқаны,
Енди қайтып зәйтүн майы менен майланбайтуғын Шаулдың қалқаны,
Сол жерде қулатылды.
22Өлгенлердиң қанысыз, батырлардың тәнисиз,
Йонатанның оқ жайы кери қайтпас еди,
Шаулдың қылышы ҳеш бос қайтпас еди.
23Шаул менен Йонатан сүйкимли ҳәм жағымлы еди,
Өмирде де, өлимде де бирге болды олар.
Олар бүркитлерден де шаққанырақ, арысланлардан да күшлирек еди.
24Ҳәй, Израил қызлары!
Сизлерге безелген қырмызы кийимлер кийгизген,
Кийимиңизди алтын безениў буйымлары менен безеген Шаул ушын жылаңлар!
25Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар саўашта!
Бийиклигиңде жатыр өли Йонатан.
26Сениң ушын қайғыраман, туўысқаным Йонатан,
Мен ушын сен жүдә қәдирли едиң,
Сүйиспеншилигиң мен ушын,
Артық еди ҳаял муҳаббатынан.
27Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар!
Қалай жоқ болды урыс қураллары!»

 

2

 

Даўыттың Яҳудаға патша болыўы

 

1Буннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийеден:
– Яҳуда қалаларының бирине барайын ба? – деп сорады.
Жаратқан Ийе оған:
– Бар, – деп жуўап берди.
Даўыт Оннан:
– Қай жерге барайын? – деп сорады.
Жаратқан Ийе Даўытқа:
– Хебронға бар, – деп жуўап берди. 2Солай етип, Даўыт өзиниң еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл менен бирге сол жерге кетти. 3Даўыт өзиниң жанындағы адамларын да хожалықлары менен бирге алып кетти. Олар Хебронның өзине ҳәм әтирапындағы қалаларға орналасты. 4Сонда яҳудалылар Хебронға келип, Даўытты майлап, Яҳудаға патша етип қойды. Соңынан олар Даўытқа: «Ябеш-Гилад турғынлары Шаулдың денесин жерледи», – деди.
5Даўыт Ябеш-Гилад турғынларына хабаршылар жиберип, оларға былай деди: «Мырзаңыз Шаулды жерлеп, оған көрсеткен садықлығыңыз ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын! 6Енди сизлерге Жаратқан Ийе мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын көрсетсин. Бул исиңиз ушын, мен де сизлерге жақсылық қыламан. 7Сонлықтан күшли ҳәм мәрт болыңлар! Мырзаңыз Шаул қайтыс болды. Ал Яҳуда халқы болса, мени майлап, өзлерине патша етип қойды».

 

Израил менен Яҳуда арасындағы саўаш

 

8Шаулдың сәркәрдасы Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошетти[1] Маханайымға алып барды. 9Ол жерде Абнер Иш-Бошетти Гиладтың, Ашердиң, Изреелдиң, Эфрайымның, Беняминниң ҳәм пүткил Израилдың үстинен патша етип тайынлады. 10Шаулдың улы Иш-Бошет қырқ жасында патша болып, Израилда еки жыл патшалық етти. Бирақ Яҳуда халқы Даўыт пенен бирге қалды. 11Даўыт Хебронда Яҳуда халқына жети жыл алты ай патшалық етти.
12Бир күни Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошеттиң адамлары менен бирге Маханайымнан Гибонға кетти. 13Ал Серуя улы Йоаб болса, Даўыттың адамлары менен барып, Гибон ҳаўызының жанында оларды қарсы алды. Усы еки топардың бири ҳаўыздың бир тәрепинде, екиншиси екинши тәрепинде отырды. 14Сонда Абнер Йоабқа:
– Жигитлер орынларынан турып, көз алдымызда алыссын, – деп усыныс қылды.
Йоаб оған:
– Мейли, алыса ғойсын, – деп келисим берди.
15Солай етип, Бенямин урыўынан Шаулдың улы Иш-Бошет тәрептен он еки адам ҳәм Даўыт тәрептен он еки адам алдыға шықты. 16Олардың ҳәр бири қарсыласының басынан услап алды да, бир-бириниң бүйирине қылыш шаншып, биргеликте жан тапсырды. Сонлықтан Гибондағы сол жерге Хелқат-Ҳассурим, яғный Қылышлар майданы деген ат берилди.
17Сол күни саўаш жүдә қатал түс алып, Даўыттың адамлары Абнер менен израиллыларды жеңилиске ушыратты. 18Серуяның үш улы: Йоаб, Абишай ҳәм Асаҳел де сол жерде еди. Асаҳел кийик сыяқлы шапқыр еди. 19Ол изине қалмай, Абнерди қуўалап кетти.
20Сонда Абнер артына бурылып:
– Асаҳел, бул сенбисең? – деп сорады.
Асаҳел оған:
– Аўа, бул мен, – деп жуўап берди.
21Абнер оған:
– Изимнен қуўыўды тоқтатып, жигитлердиң бирине ҳүжим қыл да, қурал-жарағын ал, – деди.
Бирақ Асаҳелдиң Абнерди қуўыўды тоқтатқысы келмеди.
22Сонда Абнер Асаҳелге және ескертип: «Мени қуўыўды тоқтат! Сени өлтириўимниң неге кереги бар? Соңынан туўысқаның Йоабтың жүзине қалай қарайман?» – деди.
23Бирақ Асаҳел қуўыўды тоқтатпағанлықтан, Абнер найзасының артқы ушы менен Асаҳелдиң қарнына урып жиберди. Найза Асаҳелдиң арқасын тесип шықты. Ол жерге жығыла сала, жан берди. Асаҳел жығылып өлген жерден өтип баратырғанлардың ҳәммеси сол жерде тоқтап қалды.
24Ал Йоаб пенен Абишай Абнерди қуўыўды даўам етип, күн батқанда, Гибон шөлине кететуғын жолдағы Гиахтың қарсы алдындағы Амма төбешигине келди. 25Бенямин урыўының адамлары Абнердиң изине ерип жыйналып, бир топарға бирлести ҳәм бир төбешиктиң басына шығып, сап тартып турды.
26Абнер даўыслап бақырып, Йоабқа:
– Қылышымыз мәңгиге инсанларды қырыўы керек пе? Ямаса сен буның ақыбетиниң қайғылы болатуғынын билмейсең бе? Әскерлериңе туўысқанларын қуўыўды тоқтатыўды қашан буйырасаң? – деди.
27Йоаб Абнерге:
– Тири Қудай ҳақы ант ишемен: егер өзиң айтпағаныңда, әскерлер ертең азанға шекем туўысқанларын қуўыўды тоқтатпаған болар еди, – деп жуўап берди. 28Соңынан Йоаб кәрнай шертти ҳәм пүткил халық тоқтады. Кейин олар израиллыларды қуўмады да, олар менен урыспады да.
29Абнер ҳәм оның адамлары түн бойы Иордан тегислиги бойлап жүрди. Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Битрон жолы арқалы Маханайымға қайтып барды.
30Йоаб та Абнерди қуўыўды тоқтатып, қайтып келгеннен соң, ҳәмме адамларын жыйнады. Асаҳелден басқа, Даўыттың адамларынан және он тоғыз адам қазаланған болып шықты. 31Бирақ Даўыттың адамлары Абнер тәрептеги Бенямин урыўының адамларынан үш жүз алпыс адамды өлтирген еди. 32Йоаб ҳәм оның адамлары Асаҳелдиң денесин алып келип, Бейтлеҳемдеги әкесиниң қәбирине жерледи. Соңынан олар түн бойы жол жүрип, таң ата Хебронға жетип келди.

 

3

 

1Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасындағы урыс узақ даўам етти. Даўыттың күшине күш қосылған сайын, Шаулдың тәрепдарлары ҳәлсиреп бара берди.

 

Даўыттың Хебронда туўылған балалары

 

2Даўыттың Хебронда туўылған балалары мыналар: туңғыш улы Амнон. Ол изреелли Ахиноамнан туўылды; 3екиншиси Килеаб болып, ол кармелли Набалдың жесири Абигайылдан туўылды; үшиншисиниң аты Абшалом, ол Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылды; 4төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония, бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия, 5алтыншысы Даўыттың Эгла деген ҳаялынан туўылған Итреам еди. Даўыттың бул улларының ҳәммеси Хебронда туўылды.

 

Абнердиң Даўытқа қосылыўды шешиўи

 

6Шаулдың тәрепдарлары менен Даўыттың тәрепдарлары арасында урыс даўам етип атырғанда, Абнер Шаулдың тәрепдарлары арасында күшке толып бара берди.
7Шаулдың Риспа деген бир тоқалы бар болып, ол Айя деген адамның қызы еди. Бир күни Иш-Бошет Абнерден:
– Не ушын сен әкемниң тоқалы менен жаттың? – деп сорады.
8Иш-Бошеттиң сораўына қатты ғәзепленген Абнер оған былай деп бақырды:
– Мен не Яҳудаға хызмет қылып жүрген бир көпек пе едим? Мен усы күнге дейин, әкеңиз Шаулдың хожалығына, туўысқанларына ҳәм досларына садық болдым. Сизди де Даўытқа сатып бермедим. Бирақ бүгин сиз мени усы ҳаял себепли айыплап атырсыз. 9Жаратқан Ийениң Даўытқа ўәде еткенин жүзеге асырмасам, онда Қудай мени жазалаған үстине жазаласын! 10Ол патшалықты Шаулдың нәсилинен тартып алып, Даннан Беер-Шебаға шекем созылған Израил менен Яҳудада Даўыттың патшалығын орнататуғынын айтып, ўәде еткен еди. 11Иш-Бошет Абнерден қорққанлықтан, оған басқа ҳеш нәрсе айта алмады.
12Буннан кейин, Абнер өз атынан Даўытқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бул елди сиз басқарыўыңыз керек емес пе? Егер мениң менен келисим дүзсеңиз, пүткил Израилды сиз тәрепке аўдырыў ушын, жәрдем беремен».
13Даўыт оған: «Яқшы, мен сениң менен келисим дүземен. Бирақ бир шәртим бар: мени көриўге келгениңде, Шаулдың қызы, ҳаялым Михалды да өзиң менен бирге алып кел. Болмаса, алдыма келмей-ақ қой», – деди.
14Соңынан Даўыт Шаулдың улы Иш-Бошетке де хабаршылар жиберип, олар арқалы: «Қалың малға жүз филисттиң сүннет терисин төлеп алған ҳаялым Михалды маған қайтарып бер», – деди. 15Сонда Иш-Бошет адамлар жиберип, Михалды күйеўи Палтиелдиң үйинен алдырды. Палтиел Лайыш деген адамның улы еди. 16Күйеўи жылаўы менен Бахуримге шекем ҳаялына ерип барды. Бирақ Абнер оған: «Изиңе қайт», – дегенде, ол изине қайтып кетти.
17Сол арада Абнер Израилдың ақсақаллары менен ушырасып, оларға былай деди: «Сизлер көптен бери Даўыттың өзлериңизге патша болыўын қәлеген едиңиз. 18Енди буны иске асырың. Себеби Жаратқан Ийе Даўыт ҳаққында: „Қулым Даўыт арқалы халқым Израилды филистлердиң ҳәм пүткил душпанларының қолынан қутқараман“, – деген еди». 19Абнер беняминлилер менен де сөйлести. Соңынан ол Израил халқының ҳәм Бенямин урыўының қәлеўи туўралы Даўытқа хабарлаў ушын Хебронға кетти.
20Абнер жанына жигирма адамды алып Хебронға, Даўыттың жанына барды. Даўыт Абнер ҳәм оның жанындағылар ушын зыяпат берди.
21Абнер Даўытқа: «Енди барып, пүткил Израил халқын жыйнап, тақсырым, сизиң алдыңызға алып келейин. Олар сиз бенен келисим дүзсин. Сонда сиз қәлеген жериңиздиң ҳәммеси үстинен патшалық қыласыз», – деди.
Буннан соң, Даўыт Абнерди шығарып салды. Ол да аман-есен жолына түсти.

 

Йоабтың Абнерди өлтириўи

 

22Көп узамай, Даўыттың адамлары менен Йоаб бир басқыншылықтан қайтып келди. Олар өзлери менен бирге көп олжа алып келген еди. Бирақ сол ўақытта Абнер Хебронда Даўыттың жанында жоқ еди. Себеби Даўыт оны шығарып салған болып, ол аман-есен жөнеп кеткен еди. 23Йоаб ҳәм оның жанындағы пүткил әскерлер Хебронға келгенде, оларға Нер улы Абнердиң патшаға келгени, патшаның оны қайтарып жибергени, оның да аман-есен үйине қайтқаны туўралы хабарлады. 24Сонда Йоаб патшаға келип: «Сиз не ислеп қойдыңыз? Абнер өз аяғы менен алдыңызға келген болса, оны неге босатып жибердиңиз? Ол кетип қалыпты! 25Нер улы Абнерди өзиңиз билесиз. Ол сизди алдаў ушын, қай жерге барып, қай жерден келетуғыныңызды ҳәм нелер ислейтуғыныңызды билиў ушын келген», – деди.
26Йоаб Даўыттың жанынан шыққаннан кейин, Абнердиң изинен хабаршылар жиберди. Хабаршылар оны Сира суў сақлағышының жанынан қайтарып алып келди. Даўыт буннан бийхабар еди. 27Абнер Хебронға қайтып келгенде, Йоаб өзин оның менен жеке сөйлесип алатуғын адамдай көрсетип, оны қала дәрўазасынан киргизди. Туўысқаны Асаҳелдиң қанын төккени ушын, Йоаб сол жерде Абнердиң қарнына пышақ урып өлтирди. 28Даўыт бул ўақыяны еситкенде былай деди: «Мен де, мениң патшалығым да Нер улы Абнердиң қаны ушын Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге айыпсызбыз. 29Оның қанының қуны Йоабтың ҳәм оның әкесиниң пүткил үй-ишиниң мойнында. Йоабтың урпағынан ириңли жараға ҳәм жаман тери кеселлигине шалынғанлар, балдаққа сүйенгенлер, қылыштан өлгенлер, нанға зар болғанлар ҳеш қашан арылмасын».
30Солай етип, Йоаб ҳәм оның иниси Абишай Абнерди өлтирди. Өйткени Абнер Гибондағы саўашта олардың иниси Асаҳелди өлтирген еди.
31Соңынан Даўыт Йоабқа ҳәм оның жанындағыларға: «Кийимлериңизди жыртып, аза кийимин кийиңлер ҳәм Абнер ушын жылаңлар», – деп буйрық берди. Даўыт патшаның өзи Абнердиң табытының изинде жүрди. 32Олар Абнерди Хебронға жерледи. Патша Абнердиң қәбириниң басында даўыс шығарып жылады. Сол жердеги пүткил халық та жылады. 33Соңынан патша Абнер ушын мына жоқлаўды айтты:

 

«Абнер, сен бир ақмақ сыяқлы өлиўиң керек пе еди?
34Қолларың байлаўлы, аяқларың кисенлеўли емес еди-ғо.
Бирақ сен қарақшылар қолынан өлтирилген адам сыяқлы қаза таптың».

 

Ҳәмме Абнер ушын және жылады.
35Халық Даўытқа барып, күн батпастан бурын оны бир нәрсе жеп алыўға көндирмекши болғанда, Даўыт ант ишип былай деди: «Күн батпастан алдын нан ямаса бир нәрсе жесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!» 36Пүткил халық буны билди ҳәм патшаның барлық ислерин унатқаны сыяқлы, бул исин де унатты. 37Сол күни Яҳудадағы ҳәм Израилдағы ҳәр бир адам Нер улы Абнердиң өлиминде патшаның қолы жоқлығын билди.
38Патша адамларына былай деди: «Бүгин Израилда бир басшының, уллы бир адамның өлгенин билмейсизлер ме? 39Мен майланып, патша етип қойылған болсам да, бүгин ҳәлсизбен. Ал мына Серуяның уллары болса, меннен күшлирек. Жаратқан Ийе жаманлық ислегенге жаманлығына жараса қайтарсын!»

 

4

 

Иш-Бошеттиң өлтирилиўи

 

1Шаулдың улы Иш-Бошет Абнердиң Хебронда өлтирилгенин еситкенде, қәўетерге түсти. Пүткил Израил халқы да қорқысып қалды. 2Иш-Бошеттиң хызметинде басқыншылар топарын басқаратуғын Баана ҳәм Рехаб деген еки адам бар еди. Олар Бенямин урпағынан болған бееротлы Риммонның уллары еди. Беерот қаласы беняминлилерге тийисли қала деп саналатуғын еди. 3Себеби бееротлылар қаланы таслап, Гиттайымға қашып кеткен еди. Сонлықтан олар усы күнге шекем сол жерде келгинди болып жасап киятыр.
4Шаулдың улы Йонатанның еки аяғы да ләң болып қалған Мефибошет[2] деген бир улы бар еди. Изреелден Шаул менен Йонатанның қазаланғаны ҳаққында хабар келгенде, Мефибошет бес жаста еди. Сонда тәрбияшысы оны алып қашып кеткен еди. Ол баланы асығыс алып қашып баратырғанда, баланы қолынан түсирип алғанлықтан, бала майып болып қалған еди.
5Бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен Баана жолға шығып, күн қатты қызған ўақытта Иш-Бошеттиң үйине келгенде, Иш-Бошет уйықлап жатырған еди. 6Рехаб ҳәм оның туўысқаны Баана бийдай алатуғын адам сыяқлы үйге кирип, Иш-Бошеттиң қарнына қанжар тығып өлтирди де, қашып кетти. 7Ўақыя былай болған еди: олар үйге киргенде, Иш-Бошет уйықлайтуғын бөлмесиндеги өз төсегинде жатырған еди. Рехаб пенен Баана Иш-Бошетти өлтирип, басын кесип алды ҳәм басты көтерип, пүткил түн бойы Иордан тегислиги арқалы жүрди. 8Олар Иш-Бошеттиң басын Хебронға, Даўыт патшаға алып келип, оған: «Мине, сизди өлтирмекши болған душпаныңыз Шаулдың улы Иш-Бошеттиң басы! Жаратқан Ийе бүгин Шаулдан ҳәм оның урпағынан тақсырым, сизиң өшиңизди алды», – деди.
9Бирақ Даўыт бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен оның туўысқаны Баанаға былай деп жуўап берди: «Мени ҳәр түрли бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: 10бурын Шаулдың өлими ҳаққында хабарды маған хош хабар ретинде алып келген адамды услап алып, Сиклагта өлтирген едим. Әкелген хош хабары ушын оған берилген сый усы болды. 11Енди айыпсыз бир адамды өз үйинде, төсегинде өлтирген жаўыз адамлардың өлтирилиўи де гүмансыз. Оның қаны ушын сизлерден өш алып, сизлерди жер бетинен жоқ қылып жибермеймен бе?» 12Соңынан Даўыт адамларына буйрық берди. Олар еки туўысқанды өлтирип, олардың аяқ-қолларын кести де, денесин Хеброндағы ҳаўыздың бойына асып қойды. Ал Иш-Бошеттиң басын апарып, Хеброндағы Абнердиң қәбирине жерледи.

 

5

 

Даўыттың Израилға патша болыўы

 

1Израилдың барлық урыўлары Хебронда болған Даўытқа келип, былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз. 2Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди». 3Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4Даўыт отыз жасында патша болып, қырқ жыл патшалық етти. 5Ол Хебронда жети жыл алты ай Яҳуда үстинен, Ерусалимде отыз үш жыл пүткил Израил ҳәм Яҳуда үстинен патшалық етти.
6Даўыт патша ҳәм оның адамлары Ерусалимде жасап атырған ебус халқына шабыўыл жасаў ушын жолға шыққанда, ебус халқы: «Даўыт бул жерге кире алмайды», – деп ойлап, Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң. Соқырлар менен шолақлар-ақ сени қуўып салады», – деп бақырды. 7Деген менен, Даўыт Сийон қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
8Сол күни Даўыт адамларына былай деди: «Ебус халқын жеңбекши болған ҳәр бир адам суў тармақлары арқалы барып, Даўытты жек көретуғын[3] сол шолақ ҳәм соқыр ебусларды жоқ қылсын», – деди. Сонлықтан: «Соқырлар менен шолақлар сарайға[4] кирмейди», – деген гәп қалған екен.
9Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды ҳәм оны «Даўыттың қаласы» деп атады. Ол қорғанның айнала дөгерегине Милло деген жерден баслап қосымша қорған қурды. 10Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
11Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге кедр ағашларын, ағаш усталарын ҳәм тас қалаўшы усталарды жиберди. Бул адамлар Даўыт ушын бир сарай қурды. 12Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын даңққа еристиргенин түсинди.
13Даўыт Хеброннан Ерусалимге келгеннен кейин де өзине және тоқаллар ҳәм ҳаяллар алып, олардан да ул ҳәм қызлар көрди. 14Даўыттың Ерусалимде туўылған ул-қызларының атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман, 15Ибхар, Элишуа, Нефег, Яфиа, 16Элишама, Эляда ҳәм Элифелет.

 

Филистлердиң жеңилиске ушыраўы

 

17Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт қорғанға кетти. 18Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына жайласты. 19Даўыт Жаратқан Ийеден:
– Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады.
Жаратқан Ийе Даўытқа:
– Аўа, жүрис қыл. Оларды саған сөзсиз тәслим етемен, – деп жуўап берди.
20Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Жаратқан Ийе де душпанларымды алдымда қыйратып таслады», – деди. Сол себепли бул жерге «Баал-Перасим» деген ат берилди. 21Филистлер сол жерге өзлериниң бутларын таслап қашқан еди. Даўыт ҳәм оның адамлары сол бутларды алып кетти.
22Буннан соң, филистлер және келип, Рефаим ойпатлығына жайласты. 23Даўыт Жаратқан Ийеден қайта сорағанда, Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Олардың артынан айланып бар да, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл. 24Тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, ҳәрекетке кирис. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан». 25Даўыт Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гебадан Гезерге дейин қыйратып барды.

 

6

 

Келисим сандығының Ерусалимге алып келиниўи

 

1Даўыт және Израилдағы пүткил ер жигитлерди топлады. Олар отыз мың адам еди. 2Соңынан Даўыт ҳәм оның менен бирге болған сол адамлардың ҳәммеси сандықтың үстиндеги еки керуб арасында тахт қурған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен аталған Қудайдың сандығын алып келиў ушын Баале-Яҳудаға[5] кетти. 3Олар Қудайдың сандығын төбешиктеги Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Абинадабтың уллары Узза менен Ахйо таза арбаны жетеклеп жүрди. 4Олар Қудайдың сандығын алып кетип баратырғанда, Ахйо сандықтың алдында жүрди. 5Сол ўақытта Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң алдында қосық айтып, лира ҳәм арфа шертип, систраны шыңғырлатып, дәп қағып, кимбалды даңғырлатып, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.
6Олар Нахон деген адамның қырманына жетип барғанда, өгизлер сүрнигип кетти. Сонда Узза қолын созып, Қудайдың сандығын услап қалды. 7Ҳүрметсизлиги ушын Жаратқан Ийениң Уззаға ғәзеби қайнады ҳәм сол жерде-ақ оның жанын алды. Узза Қудайдың сандығының қасында жан тапсырды.
8Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағанына Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза, яғный «Уззаның қыйратылыўы» деп аталады.
9Даўыт сол күни Жаратқан Ийеден қорқып: «Енди қалай Жаратқан Ийениң сандығын әкелип, жаныма қоя аламан?» – деп ойлады. 10Сонлықтан Даўыт сандықты өзиниң аты менен аталған қалаға алып барыўдың орнына, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды. 11Сандық гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомды ҳәм оның пүткил шаңарағын жарылқады. 12Даўытқа: «Қудайдың сандығы себепли, Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрсени жарылқады», – деген хабар жетти. Сонда Даўыт барып, Қудайдың сандығын Обед-Эдомның үйинен Даўыттың қаласына қуўанышлы түрде алып келди. 13Жаратқан Ийениң сандығын көтергенлер алты адым атқанда, Даўыт бир буға бенен бир семиз тананы қурбанлыққа шалды. 14Зығыр эфод кийип алған Даўыт Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен ойынға түсти. 15Усылайынша Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы қуўанышлы даўыслар ҳәм кәрнай сеслери астында сандықты алып киятырған еди. 16Сандық Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол Жаратқан Ийениң алдында секирип ойынға түсип киятырған Даўыт патшаны көргенде, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.
17Жаратқан Ийениң сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишиндеги өз орнына қойылды. Соңынан Даўыт Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. 18Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен халыққа пәтия берди. 19Соңынан ол пүткил халыққа, Израил жәмийетиндеги ҳәр бир еркек ҳәм ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты. Буннан соң, пүткил халық үйлерине қайтты.
20Даўыт өз хожалығына пәтия бериў ушын үйине қайтып келгенде, Шаулдың қызы Михал оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған:
– Израил патшасы бүгин қандай абырайға еристи! Өз қулларының шорылары алдында жарамсыз адам сыяқлы жалаңашланып, өзин көрсетти-ғо, – деди.
21Даўыт Михалға былай деп жуўап берди:
– Мени әкеңниң ҳәм оның пүткил нәсилиниң орнына таңлап, Өз халқы Израилға ҳүкимдар етип қойған Жаратқан Ийениң алдында ойынға түстим. Аўа, мен Жаратқан Ийениң алдында ойнай беремен. 22Енди өзимди буннан да төмен тутып, және де пәсирек санайман. Бирақ сен айтқан сол шорылар мени ҳүрметке бөлейди.
23Шаулдың қызы Михал өмириниң ақырына шекем бийперзент өтти.

 

7

 

Қудайдың Даўытқа берген сөзи

 

1Даўыт патша өз сарайында жасай берди. Себеби Жаратқан Ийе оны әтирапындағы барлық душпанларынан қорғап, тынышлық берди.
2Сол ўақытлары патша пайғамбар Натанға:
– Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман, ал Қудайдың сандығы болса, шатырда турыпты, – деди.
3Натан оған:
– Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң, себеби Жаратқан Ийе сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
4Бирақ сол күни түнде Натанға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5«Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмақшымысаң? 6Израил халқын Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап усы ўақытқа дейин, Мен үйде жасадым ба, өзи? Шатырда ол жақтан бул жаққа көшип жүрген жоқпан ба? 7Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“ 8Енди қулым Даўытқа былай деп айт: „Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. 9Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан. 10Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды. 11Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери залымлар оларды езип келмекте. Ал сени пүткил душпанларыңнан қутқарып, рәҳәтке еристиремен“.
Жаратқан Ийе және былай деп билдиреди: „Мен сениң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жаратаман. 12Сен өлип, ата-бабаларыңа қосылғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 13Маған атап үйди ол қурады. Мен де оның патшалық тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 14Мен оған әке боламан, ол Маған ул болады. Егер ол гүна ислесе, әке улын таяқ пенен жазалағандай, оны басқа миллетлер арқалы жазалайман. 15Бирақ сениң көз алдыңда Шаулдан Өз мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 16Сениң урпағың ҳәм патшалығың Мениң алдымда мәңгиге турады ҳәм тахтың мәңги беккем болады“».
17Солай етип, Натан аян болған бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.

 

Даўыттың миннетдаршылық дуўасы

 

18Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «О, Ийем, Жаратқан Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң үй-ишим де не болыпты? 19О, Ийем, Жаратқан Ийе! Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. О, Ийем, Жаратқан Ийе, Сениң адамзатқа деген қатнасың усындай ма?! 20Мен Саған басқа не айта аламан? Өйткени о, Ийем, Жаратқан Ийе, Сен Өз қулыңды билесең-ғо. 21Сен Өз сөзиңе ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти иследиң ҳәм оны қулыңа билдирдиң. 22Қандай уллысаң, о, Ийем, Жаратқан Ийе! Өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ. 23Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың ҳәм халқың ушын да, елиң ушын да уллы ҳәм әжайып ислер ислеп, Өз даңқыңды шығардың. Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан халықларды ҳәм қудайларды қуўып жибердиң. 24Халқың Израилды мәңгиге Өз халқым болады деп, оларды беккемледиң ҳәм Өзиң де, о, Жаратқан Ийе, олардың Қудайы болдың. 25Енди о, Қудай, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңде мәңгиге турып, сөзиңди орынлай гөр. 26Адамлар: „Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы“, – деп атыңды мәңгиге уллыласын ҳәм қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын. 27О, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Қудайы! Сен қулыңа: „Сениң ушын бир үй – патшалық жаратаман“, – деп аян еттиң. Сонлықтан қулың усылай дуўа етиўге жүрек етти. 28О, Ийем, Жаратқан Ийе, Сен Қудайсаң, Сениң сөзлериң ҳақ. Сен қулыңа бул ийгиликли ўәдени бердиң. 29Енди алдыңда мәңгиге даўам етиўи ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўыңды сорайман. Себеби о, Ийем, Жаратқан Ийе, Сен солай сөз бердиң ҳәм қулыңның патшалығы Сениң жарылқаўың арқалы мәңгиге жарылқанатуғын болады».

 

8

 

Даўыттың жеңислери

 

1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды ҳәм филистлердиң қолынан Метег-Амма қаласын тартып алды.
2Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Оларды жерге қатара жатқызып, арқан менен өлшеди ҳәм еки өлшемди өлтирип, үшинши өлшемди тири қалдырды. Солай етип, моаблылар Даўытқа қул болып, оған салық төлейтуғын болды.
3Даўыт Евфрат дәрьясына шекемги өз патшалығын қайта тиклемекши болып, сол жерге жүрис қылған Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерди де жеңди. 4Даўыт Ҳададезердиң бир мың жети жүз атлы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға алды. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5Соңынан Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 6Ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа қул болып, салық төлейтуғын болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.
7Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди. 8Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Бетах ҳәм Беротай қалаларынан көп муғдарда қола алды.
9Хамат патшасы Той[6] Даўыттың Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңгенин еситти. 10Патша Той Даўытқа сәлем бериў ҳәм оны саўашта Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын, улы Йорамды оған жиберди. Себеби Той Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Йорам Даўытқа гүмис, алтын ҳәм қоладан исленген затларды саўғаға алып келди. 11Даўыт патша бул саўғаларды басып алған еллеринен алып келген гүмис ҳәм алтынлар менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады. 12Булар арам, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келинген, және де, Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерден тартып алынған гүмис ҳәм алтынлар еди.
13Даўыт Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мыңын өлтирип қайтқаннан соң, оның даңқы асты.
14Ол Эдом аймағының ҳәмме жерине өз сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдомлар Даўытқа қул болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.

 

Даўыттың ҳәмелдарлары

 

15Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти. 16Серуя улы Йоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы еди. 17Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, Серая хаткер еди. 18Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың[7] басшысы еди. Ал Даўыттың уллары руўханийлер еди.

 

9

 

Даўыттың Мефибошетке жақсылық ислеўи

 

1Бир күни Даўыт: «Шаулдың хожалығынан тири қалған бар ма? Мен Йонатанның ҳүрмети ушын оған жақсылық қылар едим», –деди.
2Шаулдың хожалығының Сиба деген бир хызметши киси бар еди. Оны Даўыттың алдына шақырып келди. Патша оннан:
– Сиба деген сенбисең? – деп сорады.
Сиба оған:
– Аўа, Сиба деген қулыңыз мен боламан, – деп жуўап берди.
3Патша оған:
– Шаулдың хожалығынан аман қалған адам бар ма? Мен оған Қудай ушын жақсылық қылайын, – деди.
Сиба патшаға:
– Йонатанның еки аяғы да майып болып қалған бир улы бар, – деп жуўап берди.
4Патша оннан:
– Ол қай жерде? – деп сорады.
Сиба патшаға:
– Ол Ло-Дебардағы Аммиел улы Махирдиң үйинде, – деп жуўап берди.
5Солай етип, Даўыт патша оны Ло-Дебардан, Аммиел улы Махирдиң үйинен алдырды.
6Шаулдың ақлығы, Йонатанның улы болған Мефибошет Даўытқа келди ҳәм ет-бетинен жығылып, оған тәжим етти.
Даўыт:
– Мефибошет! – деди.
– Ләббәй, қулыңыз усы жерде, – деп жуўап берди Мефибошет.
7Даўыт оған:
– Қорқпа, мен әкең Йонатанның ҳүрмети ушын саған жақсылық қыламан. Атаң Шаулдың барлық жерлерин саған қайтарып беремен. Ал сен бәрқулла мениң дастурханымнан аўқатланатуғын боласаң, – деди.
8Мефибошет тәжим қылып:
– Өли ийтке уқсаған мендей қулыңызға жақсылық қылатуғындай, мен ким болыппан? – деди.
9Соңынан патша Шаулдың хызметшиси Сибаны шақыртып алып, оған былай деди:
– Бурын мырзаң Шаулға ҳәм оның хожалығына тийисли болған нәрсениң ҳәммесин оның ақлығы Мефибошетке бердим. 10Енди мырзаңның ақлығы керекли азық-аўқат пенен тәмийинлениўи ушын, сен ҳәм сениң улларың менен қулларың оның ушын жерди тәрбиялап, өним алыңлар. Ал мырзаңның ақлығы Мефибошет болса, бәрқулла мениң дастурханымнан аўқат жейди.
Сибаның он бес улы ҳәм жигирма қулы бар еди.
11Сиба патшаға:
– Тақсырым, қулыңыз болған мен буйырғанларыңыздың ҳәммесин орынлайман, – деди.
Мефибошет патшаның улларының бири сыяқлы, патшаның дастурханынан аўқат жеди. 12Мефибошеттиң Миха деген кишкене бир улы бар еди. Сол ўақыттан баслап, Сибаның үйинде жасайтуғын ҳәр бир адам Мефибошетке хызмет ететуғын болды. 13Мефибошет бәрқулла патшаның дастурханынан аўқат жейтуғын болғанлықтан, Ерусалимде жасады. Оның еки аяғы да майып еди.

 

10

 

Даўыттың аммонлар менен арамларды жеңиўи

 

1Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Аммон патшасы өлип, оның орнына улы Ханун патша болды. 2Сонда Даўыт: «Әкесиниң маған жақсылық еткени сыяқлы, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық қылайын», – деп ойлап, әкесиниң өлими себепли кеўил айтыў ушын, Ханунға хызметшилерин жиберди.
Даўыттың хызметшилери Аммон жерине барғанда, 3аммон басшылары өз мырзасы Ханунға: «Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын сизге кеўил айтыў ушын жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, Даўыт оларды қаланы көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын сизге жиберген», – деди.
4Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, олардың сақалларының ярымын кестирди ҳәм шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, изине қайтарып жиберди.
5Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6Аммонлар Даўыттың өзлерин жек көрип қалғанын түсинди. Сонда адам жиберип, Бейт-Рехоб пенен Собадан жигирма мың арамлы пияда әскерди, Мааха патшасы менен оның мың адамын ҳәм Тоб аймағынан он еки мың адамды жаллап алды. 7Даўыт буны еситкенде, Йоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден дүзилген пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды. 8Аммонлар шығып, дәрўаза алдында сап тартып турды. Ал Рехоб пенен Собадан келген арамлар, Тоб пенен Маахадан келген адамлар менен бирге далада бөлек сап тартып турды.
9Йоаб душпан әскерлериниң алдында да, артында да турғанын көргенде, Израилдың сайланды әскерлеринен базыларын таңлап алып, оларды арамларға қарсы сапқа турғызды. 10Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырып, аммонларға қарсы сапқа дизди. 11Йоаб инисине былай деди: «Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман. 12Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын беккем турайық. Жаратқан Ийе Өзине мақул болған исти ислесин!»
13Соңынан Йоаб ҳәм оның жанындағылар арамларға қарсы ҳүжимге өтиў ушын алға илгерилегенде, арамлар олардан қашты. 14Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин Йоаб аммонлар менен урысыўдан ўаз кешип, Ерусалимге қайтып кетти.
15Өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көрген арамлар бир жерге топланды. 16Соба патшасы Ҳададезер хабар жиберип, Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын арамларды шақыртты. Арамлар Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахтың басшылығында Хеламға кетти.
17Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил израиллыларды топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, Хеламға барды. Арам әскерлери Даўытқа қарсы сап тартып турды ҳәм оның менен саўаш қылды. 18Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети жүз саўаш арбасының арбакешлерин ҳәм қырқ мың атлы әскерин өлтирди. Ол Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахты да жарақатлады ҳәм ол саўаш майданында жан тапсырды. 19Солай етип, Ҳададезердиң қол астындағы ҳәмме патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, израиллылар менен тынышлық келисимин дүзип, оларға бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден қорқып қалды.

 

11

 

Даўыт ҳәм Бат-Шеба

 

1Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Даўыт өз әскербасыларын ҳәм пүткил Израил әскерлерин Йоабтың басшылығында урысқа жиберди. Олар аммонларды қырып таслап, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыттың өзи Ерусалимде қалған еди.
2Бир күни кешке қарай Даўыт төсегинен турды да, сарайдың үшегине шығып, арман-берман жүре баслады. Ол сол жерден қарап, шомылып атырған бир ҳаялды көрди. Ҳаял жүдә сулыў еди. 3Даўыт ҳаялдың ким екенин билип келиў ушын, адам жиберди.
Сол адам қайтып келип, ҳаялдың Элиамның қызы, хетт халқынан болған Урияның ҳаялы Бат-Шеба екенлигин айтты. 4Даўыт ҳаялды алып келиў ушын хызметшилерин жиберди. Ҳаял Даўыттың алдына келди. Даўыт етек киринен енди тазаланған ҳаял менен жатты. Соңынан ҳаял үйине қайтты. 5Ҳаял ҳәмиледар болып қалған еди. Сонлықтан ол Даўытқа: «Мен ҳәмиледарман», – деп хабар жиберди.
6Сонда Даўыт Йоабқа: «Хетт халқынан болған Урияны маған жибер», – деген хабар жоллады. Йоаб Урияны Даўыттың алдына жиберди. 7Урия алдына келгенде, Даўыт оннан Йоаб пенен әскерлердиң жағдайы ҳәм урыстың барысы ҳаққында сорады. 8Соңынан Урияға: «Үйиңе барып, дем ал[8]», – деди.
Урия сарайдан шыққаннан соң, патша оның изинен сый жиберди. 9Деген менен, Урия үйине қайтпай, патшаның барлық хызметшилери менен бирге сарай дәрўазасы алдында уйықлады. 10Даўытқа Урияның үйине қайтпағаны ҳаққында хабар жеткенде, Даўыт Урияны шақыртып:
– Сен ўзақ ўақыт сыртта болдың-ғо, неге үйиңе қайтпадың? – деп сорады.
11Урия Даўытқа:
– Қудайдың сандығы да, Израил ҳәм Яҳуда әскерлери де ордада қалды. Сәркәрдам Йоаб пенен сизиң адамларыңыз болса, қыр далада түнеп атыр. Солай екен, ишип-жеп, ҳаялым менен жатыў ушын, мен үйиме бара аламан ба? Алдыңызда ант ишип айтаман: мен ҳасла булай ислемеймен, – деп жуўап берди.
12Сонда Даўыт Урияға:
– Бүгин де усы жерде қал, ертең сени қайтарып жиберемен, – деди.
Урия сол күни Ерусалимде қалды. Ертеңине 13Даўыт Урияны шақырып алып, ишкизип-жегизди ҳәм оны мәс қылды. Бирақ кеште Урия және үйине бармай, патшаның хызметшилери менен бирге уйықлаў ушын бурынғы жатқан орнына барды.
14Сонлықтан келеси күни азанда Даўыт Йоабқа бир хат жазып, оны Урияның қолына берип жиберди. 15Ол хатта былай деп жазған еди: «Урияның жарадар болып өлиўи ушын, оны саўаштың ең қызған жерине қойып, бир өзин қалдыр».
16Солай етип, Йоаб қаланы қоршап алғанда, душпанлардың мәрт әскерлериниң қай жерде туратуғынын билгенликтен, Урияны сол жерге қойды. 17Қала халқы шығып, Йоабтың әскерлери менен саўашқа түсти. Саўашта Даўыттың әскерлеринен айырымлары қаза тапты. Қазаланғанлар арасында хетт халқынан болған Урия да бар еди.
18Саўаштың барысы ҳаққында хабарлаў ушын, Йоаб Даўытқа адам жиберди. 19Ол хабаршыға былай деп буйырды: «Сен саўаштың барысы ҳаққында патшаға жеткергениңде, 20патша ғәзепленип, саған: „Олар менен урысыў ушын қалаға неге буншелли жақынластыңыз? Олардың қала дийўалынан оқ ататуғынын билмейтуғын ба едиңиз? 21Еруббешеттиң улы Абимелехти қалай өлтиргенин билмейтуғын ба едиңиз? Тебесте бир ҳаял дийўалдан Абимелехтиң үстине дигирман тасын таслап жиберип, оны өлтиргени есиңизде жоқ па еди? Солай екен, неге дийўалға буншелли жақын бардыңлар?“ – дегенде, сен оған: „Хетт халқынан болған қулыңыз Урия да өлди“, – деп айтарсаң».
22Хабаршы жолға шықты. Ол Даўытқа барғанда, Йоабтың өзине айтқанларының ҳәммесин оған жеткизип былай деди:
23– Душпан бизлерден үстин шықты. Олар қаладан шығып, бизлер менен қыр далада урысты. Бирақ бизлер оларды қала дәрўазасына шекем қуўып бардық. 24Сонда мергенлер сизиң адамларыңызға қарай дийўалдан оқ атты. Патшаның адамларының айырымлары қаза тапты, хетт халқынан болған қулыңыз Урия да қаза тапты.
25Даўыт хабаршыға:
– Йоабқа былай деп айт: «Болған ўақыяға қапа болма. Саўашта кимниң өлетуғынын билип болмайды. Қалаға қарсы ҳүжимди күшейтип, оны жер менен жексен қылыңлар». Усы сөзлерди айтып, оған жигер бер, – деди.
26Урияның ҳаялы күйеўиниң қаза тапқанын еситип, ол ушын аза тутты. 27Аза тутыў ўақты тамам болғанда, Даўыт ҳаялды сарайға алдырды. Ҳаял Даўытқа турмысқа шығып, оған бир ул туўып берди.
Бирақ Даўыттың бул иси Жаратқан Ийеге унамады.

 

12

 

Натанның Даўытты әшкаралаўы

 

1Жаратқан Ийе пайғамбар Натанды Даўытқа жиберди. Сонда Натан Даўытқа келип, былай деди:
– Бир қалада еки адам болыпты. Олардың бириншиси бай, ал екиншиси кәмбағал екен. 2Бай адамның жүдә көп майда ҳәм ири маллары бар екен. 3Бирақ кәмбағалдың сатып алып, бағып атырған бир урғашы қозысынан басқа ҳеш нәрсеси жоқ екен. Қозы кәмбағалдың үйинде балалары менен бирге өсипти. Оның нанынан жеп, кесесинен суў ишип, қойнында уйықлапты. Сол адам ушын қозы өз қызындай еди. 4Бир күни бай адамның үйине бир жолаўшы келипти. Келген қонаққа аўқат таярлаў ушын, өзиниң қой ҳәм сыйырларынан бирин сойыўға байдың көзи қыймай, кәмбағалдың қозысын алып, қонағына аўқат таярлап берипти.
5Даўыттың бай адамға қатты ғәзеби келип, Натанға былай деди:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: бундай исти ислеген адам өлимге ылайықлы! 6Тасбаўырлық қылып, усындай исти ислегени ушын, қозыны төрт есе қылып төлеўи тийис.
7Сонда Натан Даўытқа былай деди:
– Сол адам сизсиз! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени майлап, Израилға патша етип қойдым ҳәм Шаулдың қолынан қутқардым. 8Мен саған мырзаңның үйин бердим, ҳаялларын да қойныңа салдым. Израил ҳәм Яҳуда халқын да саған бердим. Егер бул да аз болса, булардан да көп нәрселерди берер едим. 9Солай екен, неге Мениң алдымда жаўыз ислерди ислеп, сөзимди писент етпедиң? Хетт халқынан болған Урияны қылыш пенен өлтирип, ҳаялын өзиңе алдың. Аўа, сен оны аммонлардың қылышы менен өлтирдиң. 10Буннан былай, мәңгиге сениң хожалығыңнан қылыш арымайды. Себеби сен Мени писент етпей, хетт халқынан болған Урияның ҳаялын өзиңе ҳаяллыққа алдың». 11Жаратқан Ийе және былай дейди: «Саған өз хожалығың арқалы жаманлық келтиремен. Сениң көз алдыңда ҳаялларыңды алып, жақынларыңның бирине беремен. Ол күпә-күндиз ҳаялларыңның қойнына киреди. 12Аўа, сен бул исти жасырынша иследиң, бирақ Мен буны пүткил Израил халқының көз алдында күпә-күндиз ислеймен».
13Даўыт Натанға:
– Мен Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим, – деди.
Натан оған:
– Жаратқан Ийе гүнаңыздан өтти, сиз өлмейсиз.
14Бирақ сиз бул исиңиз арқалы Жаратқан Ийениң душпанларына Оған тил тийгизиўге жол қойып бердиңиз. Сол себепли сизиң туўылған перзентиңиз өледи, – деп жуўап берди. 15Соңынан Натан үйине қайтты.
Жаратқан Ийе Урияның ҳаялының Даўыттан туўған баласын аўыр кеселге дуўшар етти. 16Даўыт Қудайға бала ушын жалбарынып, ораза тутты. Үйине келип, жерде жатқан ҳалда түнлерди өткерди. 17Сарай ақсақаллары Даўытты жерден турғызыў ушын келгенде, ол турыўды қәлемеди ҳәм олар менен бирге аўқат та жемеди. 18Жетинши күни бала шетнеди. Хызметшилери Даўытқа баланың шетнегени ҳаққында хабарлаўға қорқты. Олар: «Бала тири ўақытта, бизлер оның менен сөйлескен едик, бирақ ол бизлерге қулақ аспады. Енди баланың шетнегенин оған қалай айтамыз? Ол өзине қандай да бир жаман нәрсе ислеп қояр», – деп сыбырласты.
19Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен:
– Бала қайтыс болды ма? – деп сорады.
Олар Даўытқа:
– Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди.
20Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине әтир жағып, кийимлерин аўмастырды ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды. Соңынан үйине қайтып келип, өзине аўқат берилиўин буйырды ҳәм алдына қойылған аўқатты жеди. 21Хызметшилери оған:
– Бул исиңизди қалай түсинсек болады? Бала тири ўақтында ораза тутып, жыладыңыз. Ал ол өлгеннен кейин, орныңыздан турып, аўқат жедиңиз, – деди.
22Даўыт оларға былай деп жуўап берди:
– Аўа, бала тири ўақтында ораза туттым, жыладым. Себеби: «Ким биледи, Жаратқан Ийе маған мийримин түсирип, бала жасап кетер», – деп ойлаған едим. 23Бирақ енди бала өлди. Солай екен, ораза тутыўымның не кереги бар? Оны қайтара алар ма едим? Мен оның жанына бараман, бирақ ол мениң жаныма қайтып келмейди.

 

Сулайманның туўылыўы

 

24Даўыт ҳаялы Бат-Шебаны жубатты ҳәм жанына кирип, оның менен жатты. Бат-Шеба бир ул туўды ҳәм оның атын Сулайман деп қойды. Жаратқан Ийе баланы сүйгенликтен, 25Натан пайғамбарды оған жиберди. Натан Жаратқан Ийениң сөзи бойынша балаға Едидия, яғный «Жаратқан Ийениң сүйиклиси» деп ат қойды.
26Сол ўақытлары аммонлардың Рабба қаласына қарсы саўаш жүргизип атырған Йоаб патша сарайы жайласқан қорған қаланы қолға киргизди. 27Соңынан Йоаб Даўытқа хабаршылар жиберип былай деди: «Мен Рабба қаласына ҳүжим қылып, оның суў тармағын[9] қолға киргиздим. 28Енди сиз қалған әскерлерди баслап келиң де, қаланы қоршап алып, оны қолға киргизиң. Егер қаланы мен басып алсам, қала мениң атым менен аталып кетер».
29Даўыт пүткил әскерлерин топлап, Рабба қаласына кетти ҳәм қалаға ҳүжим жасап, оны қолға киргизди. 30Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант[10] келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты. 31Ал сол жерде жасайтуғын халықты жарғы, шөккиш ҳәм балта менен жумыс ислеўге, гербиш таярлаўға мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Соңынан ол пүткил әскерлери менен бирге Ерусалимге қайтып кетти.

 

13

 

Амнон ҳәм Тамара

 

1Даўыттың улы Абшаломның Тамара деген бир сулыў қарындасы бар еди. Даўыттың басқа бир улы Амнон Тамараны сүйип қалды. 2Амнон қарындасы Тамара[11] себепли азап шегип, аўырып қалды. Себеби Тамара пәк қыз болғанлықтан, Амнон ушын қызға бир нәрсе ислеў мүмкиншилигин табыў қыйын еди. 3Бирақ Амнонның Йонадаб деген жорасы бар еди. Йонадаб Даўыттың әжағасы Шимеаның улы болып, ол жүдә ҳийлекер еди. 4Бир күни Йонадаб Амноннан:
– Ҳәй, патшаның улы, неге күннен-күнге азып баратырсаң? Маған себебин айтпайсаң ба? – деп сорады.
Амнон оған:
– Туўысқаным Абшаломның қарындасы Тамараны сүйип қалдым, – деп жуўап берди.
5Йонадаб оған:
– Төсекке жатып алып, өзиңди аўырып атырғандай етип көрсет. Әкең сени көриў ушын келгенде, оған: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, маған аўқат писирип берсин. Аўқатты көз алдымда писирсин, оны көрип, қолынан аўқат жейин», – деп айт, – деди.
6Солай етип, Амнон төсекке жатып алып, өзин аўырып атырған етип көрсетти. Патша оны көриўге келгенде, Амнон патшаға: «Аға, өтиниш, қарындасым Тамара келип, көз алдымда бир-еки таба нан писирип берсин. Мен оның қолынан нан жейин», – деди.
7Сонда Даўыт сарайда жасап атырған Тамараға: «Әжағаң Амнонның үйине барып, оған жейтуғын бир нәрсе писирип бер», – деп хабар жиберди. 8Тамара әжағасы Амнонның үйине кетти. Ол төсекте жатырған еди. Тамара қамыр ийлеп, оның үйинде таба нан писирди. 9Соңынан табаны алып, нанды Амнонның дастурханына қойғанда, ол жегиси келмеди. Сонда Амнон үйдегилерге: «Қасымнан ҳәмме шығып кетсин», – деп буйырды. Ҳәмме шығып кетти. 10Буннан кейин, Амнон Тамараға: «Аўқатты жататуғын бөлмеме алып кел, мен сениң қолыңнан аўқат жейин», – деди. Тамара өзи писирген нанларды әжағасы Амнонның жататуғын бөлмесине апарды. 11Жесин деп, Тамара нанды Амнонға жақынлатқанда, ол Тамараны услап алып:
– Қарындасым, кел, мениң менен жат, – деди.
12Бирақ Тамара оған былай деди:
– Яқ, әжаға, мениң намысыма тийме. Израилда бундай ис исленбейди. Бундай ақылсызлықты ислеме. 13Усындай шерменделиктен кейин, мен қалай бас көтерип жүре аламан? Ал сен Израилдағы ақмақ адамлардың бири болып қаласаң. Өтинемен, патша менен сөйлес, ол сениң маған үйлениўиңе қарсы болмайды. 14Деген менен, Амнон Тамараға қулақ салғысы келмеди. Ол қыздан күшлирек болғанлықтан, қызды зорлап, намысына тийди.
15Соннан соң, Амнонның Тамараны жек көргенлиги соншелли, оның жек көриўшилиги бурын болған муҳаббатынан да күшлирек еди. Амнон Тамараға:
– Тур, жоқ бол! – деди.
16Тамара Амнонға:
– Яқ, мени қуўыўың – бул биринши ислеген жаманлығыңнан да аўырырақ, – деди. Бирақ Амнон оған қулақ салғысы келмеди. 17Амнон хызметши жигитин шақырып оған: «Мына биреўди бул жерден қуўып жибер де, артынан қапыны жаўып тасла», – деди. 18Жигит Тамараны сыртқа шығарып, изинше қапыны жаўды. Тамараның үстинде узын, жеңи де узын нағыслы кийим бар еди. Патшаның турмысқа шықпаған қызлары усылай кийинетуғын еди. 19Тамара басына күл шашып, үстиндеги узын жеңли кийимин жыртып таслады. Ол қоллары менен басын услап, дад салып, еңиреўи менен кетти.
20Әжағасы Абшалом қызға: «Сениң менен бирге болған әжағаң Амнон ба еди? Енди сестиңди шығарма, қарындасым. Ол сениң әжағаң-ғо. Бул ўақыяға қапа болма», – деди.
Солай етип, Тамара әжағасы Абшаломның үйинде жалғыз ҳәм муңлы жасады.
21Даўыт патша болып өткенлер ҳаққында еситип, қатты ғәзепленди. 22Абшалом Амнонға жақсы да, жаман да сөз айтпады. Өйткени ол қарындасы Тамараның намысына тийгени ушын, Амнонды жек көрип қалған еди.

 

Абшаломның Амнонды өлтириўи

 

23Еки жылдан кейин, Абшалом патшаның барлық улларын өзиниң қойын қырқтырып атырған жерге, Эфрайым қаласына жақын жердеги Баал-Хасорға шақырды. 24Абшалом патшаға келип:
– Мен қойларымды қырқтырып атырман. Өтинемен, өзиңиз де, хызметшилериңиз де мениң менен бирге сол жерге барсаңыз, – деди.
25Даўыт патша оған:
– Яқ, улым, егер бизлер ҳәммемиз барсақ, саған жүк боламыз, – деди.
Абшалом қатты жалынса да, патшаның барғысы келмеди, бирақ баласына пәтия берди.
26Сонда Абшалом патшаға:
– Онда әжағам Амнонның бизлер менен бирге барыўына рухсат бериң, – деди.
Патша оннан:
– Амнон неге сениң менен барыўы керек? – деп сорады. 27Бирақ Абшалом жалына бергеннен кейин, патша Амнонды ҳәм басқа улларының ҳәммесин оның менен бирге жиберди.
28Абшалом хызметшилерине былай деп буйырды: «Амноннан көз үзбеңлер! Ол шарап ишип, мәс болған ўақытта, мен сизлерге: „Амнонды өлтириң“, – деп айтаман. Сонда оны өлтириңлер. Қорқпаңлар! Сизлерге буйрықты мен берип атырман. Күшли ҳәм мәрт болыңлар!» 29Хызметшилер Абшаломның буйрығын орынлап, Амнонды өлтирди. Сонда патшаның басқа уллары ғашырларына минип, қашып кетти.
30Олар жолда киятырғанда, Даўытқа: «Абшалом патшаның барлық улларын өлтирипти, олардың бирде биреўи тири қалмапты», – деген хабар жетип келди. 31Патша орнынан турды да, кийимлерин жыртып, өзин жерге таслады. Оның жанындағы барлық хызметшилери де кийимлерин жыртты.
32Сонда Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Йонадаб былай деди: «Тақсыр, ҳәмме улларымнан айырылып қалдым деп ойламаңыз. Тек Амнон өлди. Себеби ол қарындасы Тамараның намысына тийгеннен бери, Абшалом Амнонды өлтириўди ойлап жүрген еди. 33Сонлықтан тақсыр, ҳәмме улларыңыз өлди, деген хабардан тәшиўишленбең. Тек жалғыз Амнон ғана өлди».
34Сол арада Абшалом қашып кетти.
Гүзетши жигит төбешиктиң батыс жолынан үлкен бир аламанның киятырғанын көрди. 35Йонадаб патшаға: «Әне, улларыңыз киятыр. Қулыңыздың айтқанындай болды», – деди. 36Ол айтып болар-болмастан, патшаның уллары жетип келди де, дад салып жылай баслады. Патша да, хызметшилери де қатты өкирип жылады.
37Ал Абшалом қашып, Гешур патшасы Аммиҳуд улы Талмайдың жанына барды. Даўыт улы Амнон ушын узақ ўақыт аза тутты. 38Гешурға қашқан Абшалом ол жерде үш жыл болды. 39Енди патша Даўыт Абшаломды сағына баслады. Себеби ол Амнонның өлимине жубаныш тапқан еди.

 

14

 

Абшаломның Ерусалимге қайтып келиўи

 

1Серуя улы Йоаб патшаның Абшаломды сағынып жүргенин билди. 2Ол биреўди жиберип, Теқоада жасайтуғын ақыллы бир ҳаялды алдырды. Йоаб ҳаялға: «Аза кийимлериңди кийип, өзиңди аза тутып жүрген адам сыяқлы көрсет. Әтир де жақпай, өзиңди узақ ўақыттан бери өлини азалап жүрген сыяқлы тут. 3Кейин патшаға барып, оған мениң усы сөзлеримди жеткиз», – деди де, Йоаб ҳаялға нелерди айтыў кереклигин үйретти.
4Солай етип, теқоалы ҳаял патшаға барды. Ол патшаның алдында ет-бетинен жығылып, тәжим етип, патшаға:
– О, патша, маған жәрдем бериң, – деди.
5Патша оннан:
– Не болды? – деп сорады.
Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди:
– Мен бир бахытсыз жесир ҳаялман. Күйеўим өлип қалды. 6Шорыңыз болған мениң еки улым бар еди. Олар атызда төбелесип қалыпты. Оларды айыратуғын ҳеш ким болмағаннан соң, биреўи биреўин урып, өлтирип қойыпты. 7Енди пүткил тийре шорыңыз болған маған қарсы шығып: «Туўысқанын өлтирген адамды бизлердиң қолымызға бер. Туўысқанын өлтиргени ушын оны өлтирип, усылайынша мийрасхорды да жоқ қыламыз», – деп атыр. Солай етип, жер бетинде күйеўимниң атын ҳәм урпағын даўам еттиретуғын туяқ қалдырмаў ушын, олар мениң ошағымдағы қалған шоқты да өширежақ.
8Патша ҳаялға:
– Үйиңе қайта бер, бул исти сениң пайдаңа шешип беремен, – деди.
9Сонда теқоалы ҳаял патшаға:
– Тақсыр! Бул ўақыяға мен ҳәм мениң әкемниң хожалығы айыплы болсын. Патша ҳәм оның тахты айыпсыз болсын, – деди.
10Патша ҳаялға:
– Биреў саған қарсы бир нәрсе десе, оны маған алып кел. Ол қайтып саған тиймейтуғын болады, – деди.
11Ҳаял патшаға:
– Олай болса, өш алыўшы әменгерлер исин гүжитип, улымды өлтирип қоймаўы ушын, патша, Қудайыңыз Жаратқан Ийе ҳақы ант ишсеңиз, – деди.
Патша ҳаялға:
– Тири Жаратқан Ийениң аты менен айтаман: улыңның бир тал шашы да түспейди, – деди.
12Ҳаял патшаға:
– Тақсыр, шорыңыз болған маған және бир сөз айтыўға рухсат берсеңиз, – деди.
– Айт, – деди патша.
13Ҳаял сөзин даўам етип былай деди:
– Не ушын сиз Қудайдың халқына қарсы булай ислеп атырсыз? Патша, сиз усы гәпиңиз арқалы өзиңиз өзиңизди айыплап атырсыз. Өйткени өзиңиз қуўғын қылған адамды қайтармай атырсыз. 14Жерге төгилген суўды қайтып жыйнаў мүмкин болмағаны сыяқлы, ҳәммемиз де дүньядан өтип кетемиз. Бирақ Қудай жанды набыт қылыўды қәлемейди. Ол қуўғын қылынған адамның Өзинен узақ кетпеўи ушын шара излейди. 15Халық мени қорқытқаны себепли, тақсырыма усыларды айтып бериў ушын келдим. Мен өзимше: «Патша менен сөйлесейин, бәлким, ол шорысының тилегин орынлар. 16Сөзлериме қулақ асып, мени ҳәм улымды өлтирмекши болып, Қудайдың берген мийрасынан айырыўды қәлегенлердиң қолынан қутқарар. 17Сөйтип, тақсырымның сөзи мени тынышландырар», – деп ойладым. Себеби сиз, тақсыр, жақсы менен жаманды айырыўда Қудайдың периштеси сыяқлысыз. Сизге Қудайыңыз Жаратқан Ийе яр болсын!
18Патша ҳаялға:
– Сеннен бир нәрсе сорайын, бирақ меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди.
Ҳаял патшаға:
– Сораң, тақсыр, – деп жуўап берди.
19Патша ҳаялдан:
– Бул ислердиң ҳәммесинде Йоабтың қолы бар ма? – деп сорады.
Ҳаял патшаға былай деп жуўап берди:
– Тақсыр, алдыңызда ант ишип айтаман: сизден ҳеш нәрсени жасырыў мүмкин емес. Аўа, маған буйрық берген ҳәм шорыңызға усы сөзлердиң ҳәммесин үйреткен қулыңыз Йоаб болады. 20Жағдайды өзгертиў ушын, қулыңыз Йоаб буны ойлап тапқан еди. Тақсыр, сиз Қудайдың бир периштеси сыяқлы дана болып, елдеги ўақыялардың ҳәммесинен хабардарсыз.
21Сонда патша Йоабты шақыртып, оған:
– Мейли, тилегиңди орынлайман. Барып, жас жигит Абшаломды қайтарып алып кел, – деди.
22Йоаб ет-бетинен жерге жығылып, патшаға тәжим етти ҳәм оған миннетдаршылық билдирип:
– О, тақсыр, бүгин меннен кеўлиңиз толғанын билип турман. Себеби сиз қулыңыздың тилегин орынладыңыз, – деди.
23Соңынан Йоаб Гешурға барып, Абшаломды Ерусалимге алып келди. 24Бирақ патша: «Абшалом үйине кетсин, мениң алдыма келмесин», – деп буйрық берди. Сонлықтан Абшалом патшаны көрмей, өз үйине кетти.
25Пүткил Израилда сын-сымбаты бойынша Абшалом сыяқлы мақтаўы артқан адам жоқ еди. Ол басынан аяғына шекем минсиз еди. 26Абшаломға шашы аўырлық қылатуғын болғанлықтан, ол ҳәр жылы шашын кестиретуғын еди. Ол шашын кестирген ўақытта өлшететуғын еди. Оның шашының аўырлығы патшалықтағы өлшем бирлиги бойынша өлшегенде, еки жүз шекел[12] шығатуғын еди. 27Абшаломның үш улы ҳәм Тамара деген сулыў бир қызы бар еди.
28Абшалом Ерусалимде еки жыл жасаса да, патшаны көре алмады. 29Соңынан ол патшаға жибериў ушын Йоабты шақыртты. Бирақ Йоаб Абшаломға келиўди қәлемеди. Абшалом екинши рет шақыртты, бирақ Йоабтың және келгиси келмеди. 30Сонда Абшалом қулларына: «Минекей, Йоабтың арпа атызы меникиниң жанында тур. Барып, атызға от бериң», – деди. Хызметшилер барып, Йоабтың атызына от берди.
31Йоаб орнынан турды да, Абшаломның үйине барып:
– Қулларың не ушын атызыма от берди? – деп сорады.
32Абшалом оған былай деди:
– Минекей, мен сени патшаның алдына жибериў ушын, усы жерге келиўиңди айтып, адам жоллаған едим. Сен арқалы патшаға: «Гешурдан не ушын келдим? Ол жерде қалғаным мен ушын жақсырақ болар еди», – деп айтпақшы едим. Енди мен патшаны көргим келеди. Егер айыплы болсам, мени өзи өлтирсин.
33Сонда Йоаб барып, Абшаломның сөзлерин патшаға жеткизди. Патша Абшаломды шақыртты. Абшалом патшаның алдына келди де, оның алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти. Патша Абшаломды сүйди.

 

15

 

Абшаломның Даўытқа қарсы бас көтериўи

 

1Буннан соң, Абшалом өзине бир саўаш арбасы, атлар ҳәм алдында жүретуғын елиў сақшы таярлады. 2Ол азанда ерте турып, қала дәрўазасына баратуғын жол бойында туратуғын еди. Өз арзын тыңлатып, ҳүким шығартыў ушын патшаға келген ҳәр бир адамды шақырып алып, оннан: «Қай қаладансаң?» – деп сорайтуғын еди. Сол адам Израилдың қайсы урыўынан келгенин айтатуғын еди.
3Сонда Абшалом сол адамға: «Қара, сениң даўа исиң туўры ҳәм әдил. Бирақ патшаның жанында сени тыңлаў ушын тайынланған ҳеш ким жоқ», – дейтуғын еди. 4Соңынан: «Қәнекей, енди мени елге қазы қылып қойса, өз арзысы менен келген ҳәр бир адамның исин әдалатлық пенен шешер едим», – деп қосып қоятуғын еди. 5Егер биреў Абшаломға тәжим етиў ушын жақынласса, ол сол адамға қолын созатуғын ҳәм оны қушақлап, сүйетуғын еди. 6Абшалом патшаға арыз қылып келген израиллылардың ҳәр бирине усылай қатнас жасайтуғын еди. Солай етип, ол израиллылардың кеўлин өзине аўдырып алды.
7Арадан төрт жыл[13] өткеннен соң, Абшалом патшаға былай деди:
– Мениң Хебронға барып, Жаратқан Ийеге берген ўәдемди орынлап келиўиме рухсат берсеңиз. 8Себеби қулыңыз болған мен Арам үлкесиндеги Гешурда жасап атырғанымда: «Егер Жаратқан Ийе мени Ерусалимге қайтарса, онда мен Хебронға барып, Оған сыйынаман», – деп ўәде берген едим.
9Патша оған:
– Аман-есен кете бер, – деди.
Ол орнынан турып, Хебронға кетти. 10Абшалом Израилдың пүткил урыўларына жасырын түрде хабаршылар жиберип, оларға: «Кәрнай даўысын еситиўден-ақ: „Абшалом Хебронда патша болды“, – деп айтыңлар», – деди. 11Ерусалимнен мирәт етилген еки жүз адам болып өткен ўақыялардан бийхабар ҳалда, жақсы нийет пенен Абшаломға ерип кетти. 12Абшалом қурбанлық шалып атырып, Даўыттың мәсләҳәтшиси гилолы Ахитофелди де Гило қаласынан алдыртты. Усылайынша қозғалаң күшейе берди. Өйткени Абшаломның изине ергенлердиң саны көбейип атырған еди.

 

Даўыттың Ерусалимнен қашыўы

 

13Бир хабаршы Даўытқа келип: «Израиллылардың кеўли Абшаломға аўып кетти», – деди. 14Сонда Даўыт Ерусалимде өзи менен бирге болған барлық хызметшилерине:
– Турыңлар, қашайық! Болмаса, Абшаломнан қашып қутыла алмайсыз. Дәрҳал кетип қалмасақ, Абшалом изимизден тез жетип алып, бәлеге дуўшар етер, қаланы да қылыштан өткерер, – деди.
15Патшаның хызметшилери:
– Тақсыр, сиз қандай қарарға келсеңиз, бизлер орынлаўға таярмыз, – деп жуўап берди.
16Солай етип, патша пүткил сарай халқын изине ертип, жолға шықты. Ал сарайға қарап турыўы ушын, он тоқалын сол жерде қалдырды. 17Патша ҳәм оның изине ерген пүткил халық қаланың ең шетиндеги үйдиң жанына келип, тоқтады. 18Сол жерден баслап, барлық хызметшилери, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм Гаттан өзине ерип келген гатлы алты жүз әскер патшаның алдынан жүрип өтти.
19Патша гатлы Иттайға былай деди:
– Неге сен де бизлер менен киятырсаң? Изиңе қайтып, жаңа патша менен қал. Өйткени сен ўатаныңнан қуўылған бир жат еллисең. 20Сен кеше келгенсең. Бүгин қай жерге барарымды өзим билмей турып, сени де сергиздан қылайын ба? Изге қайт, әскерлериңди де өзиң менен алып қайт. Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм садықлығы саған яр болсын!
21Бирақ Иттай патшаға:
– Тақсыр, тири Жаратқан Ийе ҳақы алдыңызда ант ишип айтаман: өлим ушын болса да, өмир ушын болса да, сиз қай жерде болсаңыз, қулыңыз болған мен де сол жерде боламан, – деп жуўап берди.
22Даўыт Иттайға:
– Яқшы, онда алдыға өтип, жүре бер, – деди.
Солай етип, гатлы Иттай ҳәм оның жанындағы ҳәмме адамлар бала-шағалары менен бирге жолын даўам етти. 23Халық кетип баратырғанда, әтираптағы пүткил ел зар-зар жыласты. Патша Кидрон сайынан өтти. Пүткил халық шөлистанлыққа қарай жол алды.
24Руўханий Садоқ пенен Қудайдың Келисим сандығын көтерген лебийлилер де сол жерде еди. Олар Қудайдың сандығын жерге қойды. Пүткил халық қаладан шығып болғанша, руўханий Абиятар төбешикке көтерилип, оларды күтип турды.
25Соңынан патша Садоққа былай деди: «Қудайдың сандығын қалаға қайтарып алып бар. Егер Жаратқан Ийениң маған мийрими түскен болса, Ол мени изиме қайтарып, сандықты ҳәм сандық туратуғын орынды маған көрсетер. 26Егер Ол маған: „Саған кеўлим толмады“, – десе, онда мен таярман. Ол маған мақул көргенин ислесин». 27Патша сөзин даўам етип, руўханий Садоққа былай деди: «Жағдайды көрип турған жоқсаң ба? Улың Ахимаасты ҳәм Абиятардың улы Йонатанды жаныңа ал да, Абиятар менен бирге аман-есен қалаға қайт. 28Сизлерден анық бир хабар алмағанымша, мен Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде күтип тураман».
29Солай етип, Садоқ пенен Абиятар Қудайдың сандығын Ерусалимге қайтарып апарып, сол жерде қалды. 30Ал Даўыт болса, жылап-еңиреп Зәйтүн таўына көтериле берди. Ол басын орап алып, жалаң аяқ кетип баратыр еди. Оның жанындағы адамлардың ҳәммеси де басларын орап алып, жылап-еңиреп таўға шығып баратыр еди.
31Сол арада биреў Даўытқа: «Ахитофел де Абшаломның тәрепин алған тил бириктириўшилер арасында екен», – деп хабарлады.
Сонда Даўыт: «О, Жаратқан Ийе, Ахитофелдиң кеңесин жоққа шығара гөр!» – деп дуўа етти.
32Даўыт Қудайға сыйынатуғын таўдың төбесине жетип барғанда, Арк тийресинен болған Хушай кийими жыртылған, басына топырақ шашылған ҳалда оны қарсы алды. 33Даўыт оған былай деди: «Мениң менен бирге кетсең, маған жүк боласаң. 34Егер қалаға қайтып барсаң, Абшаломға: „Ҳәй патша, сизиң қулыңыз болмақшыман. Бурын әкеңизге қандай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен“, – деп айтарсаң. Усылай сен Ахитофелдиң мәсләҳәтин мениң ушын босқа шығарасаң. 35Руўханийлер Садоқ пенен Абиятар сол жерде сениң менен бирге болады. Патшаның сарайында еситкенлериңниң ҳәммесинен оларды хабардар етип тур. 36Садоқтың улы Ахимаас пенен Абиятардың улы Йонатан да сол жерде. Еситкенлериңниң ҳәммесин олар арқалы маған жеткерип турасаң».
37Солай етип, Даўыттың достысы Хушай Ерусалимге кетти. Сол ўақытта Абшалом да Ерусалимге кирип киятырған еди.

 

16

 

Даўыт ҳәм Сиба

 

1Даўыт таўдың төбесинен арман қарай бираз түскенде, Мефибошеттиң хызметшиси Сиба қосақланған еки ешекке еки жүз нан, кептирип нығызланған кишмиштен жүз дана, таза пискен мийўеден жүз дана ҳәм бир мес шарап жүклеп, Даўыттың алдынан шықты. 2Патша Сибадан:
– Буларды не ушын алып келдиң? – деп сорады.
Сиба оған:
– Ешеклер патша хожалығындағылардың миниўи ушын, нан менен таза мийўелер хызметшилериңиздиң жеўи ушын, ал шарап шөлде ҳалдан тайғанлардың ишиўи ушын, – деп жуўап берди.
3Патша оннан:
– Мырзаң Шаулдың ақлығы қаяқта? – деп сорады.
Сиба оған:
– Мефибошет Ерусалимде қалды. Себеби ол: «Израил халқы бүгин атамның патшалығын маған қайтарып береди», – деп айтып атыр, – деп жуўап берди.
4Сонда патша оған:
– Мефибошеттиң ҳәмме нәрсеси сеники болады, – деди.
Сиба патшаға тәжим етип:
– Қуллық, тақсыр! Маған бәрқулла кеўлиңиз толғай! – деди.

 

Даўыт ҳәм Шимей

 

5Даўыт патша Бахуримге жетип барғанда, Шаулдың тийресинен болған Гераның улы Шимей ғарғаныўы менен оның алдынан шықты. 6Пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери Даўыт патшаның оң ҳәм шеп жағында турғанына қарамастан, Шимей Даўытқа ҳәм оның хызметшилерине тас ылақтырды. 7Шимей былай деп ғарғанды: «Жоқ бол, кет. Ҳәй, қанхор, оңбаған адам! 8Сен орнына патша болған Шаулдың үй-ишинде төгилген қанлардың қунын Жаратқан Ийе сеннен өндирип атыр. Ол патшалықты улың Абшаломға берди. Сен қанхор болғаның ушын, бул бәлеге жолықтың».
9Серуя улы Абишай патшаға:
– Бул өли көпек неге тақсырымды ғарғайды екен? Рухсат бериң, басын үзип таслайын, – деди.
10Бирақ патша оған:
– Ҳәй Серуя уллары, буның менен сизлердиң жумысыңыз болмасын! Жаратқан Ийе оған: «Даўытты ғарға», – дегени ушын ғарғап атырған болса, ким оннан: «Неге булай ислеп атырсаң?» – деп сорай алады? – деди.
11Кейин Даўыт Абишайға ҳәм хызметшилерине былай деди: «Өз улым мени өлтирмекши болып турғанда, мына беняминли оннан бетерин ислемей ме? Оны тынышына қойыңлар, ғарғай берсин. Өйткени буны оған Жаратқан Ийе айтқан. 12Бәлким, Жаратқан Ийе мениң хорланып атырғанымды көрип, бүгинги ғарғыслар орнына жақсылық қайтарар».
13Даўыт адамлары менен бирге жолын даўам етти. Ал Шимей Даўыттың қапталында, таўдың жанбаўырында жүриўи менен оны ғарғап, тас атып, топырақ шашты. 14Иордан дәрьясындағы өткелге шаршап жеткен патша ҳәм оның жанындағы халық сол жерде дем алды.

 

Хушай менен Ахитофелдиң кеңеслери

 

15Сол арада Абшалом ҳәм оның израиллы пүткил тәрепдарлары Ерусалимге келди. Ахитофел де Абшалом менен бирге еди. 16Сонда Даўыттың достысы Арк тийресинен болған Хушай Абшаломның жанына барып:
– Жасасын патша! Жасасын патша! – деп бақырды.
17Абшалом Хушайдан:
– Достыңа садықлығың усы ма? Не ушын достың менен кетпедиң? – деп сорады.
18Хушай оған былай деп жуўап берди:
– Яқ, мен Жаратқан Ийениң, мына халықтың ҳәм пүткил израиллылардың таңлаған адамы тәрепинде болып, оның жанында қаламан. 19Енди мен Даўыттың улы Абшаломнан басқа кимге хызмет қыламан? Әкеңизге қалай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен.
20Сонда Абшалом Ахитофелге қарап:
– Не ислейик, бизлерге кеңес бер, – деди.
21Ахитофел Абшаломға:
– Сарайға қарап турыўы ушын, әкеңниң таслап кеткен тоқаллары менен жат. Сонда пүткил Израил әкеңиздиң сизди жек көрип қалғанын биледи ҳәм сизди қоллаўшылардың ҳәммеси және де күшке минеди.
22Солай етип, сарайдың үшегине Абшалом ушын бир шатыр қурылды. Ол пүткил израиллылардың көз алдында әкесиниң тоқаллары менен жатып шықты.
23Сол ўақытлары Ахитофел берген кеңеслер Қудай тәрепинен берилген кеңеслер деп саналатуғын еди. Ахитофелдиң ҳәр бир кеңеси Даўыт ушын да, Абшалом ушын да усындай еди.

 

17

 

Хушайдың Ахитофелдиң кеңесин бузыўы

 

1Ахитофел Абшаломға және былай деди: «Рухсат берсеңиз, он еки мың адамды сайлап алып, бүгин түнде кетип, Даўыттың изине түсейин. 2Ҳәзир Даўыт шаршап, ҳалдан тайған ўақытта, оған ҳүжим етип, көзин қорқытсам, қасындағылар қашып кетеди. Сонда мен Даўыт патшаның бир өзин өлтиремен. 3Соңынан пүткил халықты сизге қайтарып алып келемен. Халықтың сизге қайтыўы сиз өлтирмекши болып атырған адамның өлимине байланыслы. Солай етип, пүткил халық зыян көрмейди». 4Бул кеңес Абшаломға да, пүткил Израил ақсақалларына да унап қалды.
5Бирақ Абшалом: «Арк тийресинен болған Хушайды да шақырың. Ол не дер екен, еситейик», – деди. 6Хушай келгенде, Абшалом оған Ахитофелдиң қандай кеңес бергени туўралы айтып берди. Соңынан ол Хушайдан:
– Оның кеңеси бойынша ис тутайын ба? Болмаса, сен кеңес бер, – деп сорады.
7Хушай Абшаломға былай жуўап берди:
– Ахитофелдиң бул ретте берген кеңеси жақсы емес. 8Әкеңиздиң ҳәм оның адамларының мәрт жаўынгерлер екенин билесиз. Олар далада балаларынан айырылған айыў сыяқлы ғәзепли. Буның үстине, әкеңиз тәжирийбели жаўынгер, ол түнди әскерлер жанында өткермейди. 9Бул ўақытта ол үңгирлердиң биринде ямаса бир жерде жасырынып жүрген болса керек. Егер ол әскерлеримизге биринши болып ҳүжим жасаса, ол ҳаққында еситкен ҳәр бир адам: «Абшаломға ергенлер қырғынға ушырапты», – деп айтады. 10Сонда жүреклери арысланның жүрегиндей болған мәртлердиң де қорқыныштан жүреклери суўлайды. Себеби әкеңиздиң батырлығын ҳәм оның қасындағылардың мәртлигин пүткил Израил биледи. 11Сонлықтан сизге айтатуғын кеңесим мынаў: Даннан Беер-Шебаға шекемги, теңиз жағасындағы қум сыяқлы сан-санақсыз болған пүткил израиллыларды әтирапыңызға топлаң. Сиз өзиңиз де саўашқа шығың. 12Сонда бизлер жасырынған жерлериниң биринде Даўытқа ҳүжим қылып, жер бетине түскен шық киби үстине бастырып барамыз. Даўытты да, оның жанындағылардың ҳеш бирин де тири қалдырмаймыз. 13Егер ол бир қаланы паналаса, онда пүткил израиллылар сол қалаға арқанлар алып барады. Қаланы бир тасы қалмағанша, ойпатлыққа қарай тартып қулатып, жоқ қыламыз.
14Абшалом ҳәм пүткил израиллылар: «Хушайдың кеңеси Ахитофелдиң кеңесинен жақсырақ», – деди. Себеби Жаратқан Ийе Абшаломды апатқа ушыратыў ушын, Ахитофелдиң жақсы кеңесин жоққа шығарыўды шешип қойған еди.
15Хушай руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға Ахитофелдиң Абшалом менен Израил ақсақалларына берген кеңеси ҳәм өзиниң оларға берген кеңеси туўралы айтып берди. 16Соңынан оларға: «Сизлер мына хабарды Даўытқа тез жеткизиң: бул түнди Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде өткизбесин. Тез арғы тәрепке өтсин. Болмаса, патшаның өзи де, жанындағылар да толық қырылып кетеди», – деди.
17Сол ўақытлары қалада көринбеў ушын, Йонатан менен Ахимаас қала сыртындағы Рогел булағы жанында күтип туратуғын еди. Бир шоры қыз барып, оларға болып өткенлерди хабарлап туратуғын, ал олар еситкенлерин Даўыт патшаға жеткизип туратуғын еди. 18Бирақ бир өспирим оларды көрип қалып, Абшаломға хабарлады. Сонда Йонатан менен Ахимаас асығыс ол жерден кетип, Бахуримдеги бир адамның үйине келди. Үйдиң ҳәўлисинде бир қудық бар еди. Йонатан менен Ахимаас сол қудыққа жасырынды. 19Сол адамның ҳаялы бир жапқыш алып, қудықтың аўзын жаўып қойып, ҳеш нәрсе сезилмеўи ушын, оның үстине масақларды жайып таслады. 20Абшаломның хызметшилери үйге, ҳаялдың жанына келип, оннан:
– Ахимаас пенен Йонатан қай жерде? – деп сорады.
Ҳаял оларға:
– Өзектиң арғы тәрепине өтип кетти, – деп жуўап берди.
Абшаломның хызметшилери оларды излеп кетти, бирақ таба алмай, Ерусалимге қайтты.
21Адамлар кеткеннен кейин, Ахимаас пенен Йонатан қудықтан шықты да, болып өткен ўақыяларды хабарлаў ушын, Даўыт патшаға кетти. Олар Даўытқа барып: «Қәне, ҳәзир-ақ дәрьяны кесип өтиңлер», – деди ҳәм Ахитофелдиң оған қарсы қандай кеңес бергенлигин айтып берди. 22Даўыт сол ўақытта-ақ пүткил адамлары менен бирге Иордан дәрьясын кесип өтти. Таң атқанда, Иордан дәрьясын кесип өтпеген бирде бир адам қалмады.
23Ахитофел өзи берген кеңестиң иске аспағанын көргенде, ешегин ертлеп, оған минди де, өз қаласына, өз үйине қайтып кетти. Ол үй-ишине ўәсиятнама қалдырғаннан соң, асылып өлди. Оның денеси әкесиниң қәбирине қойылды.
24Даўыт Маханайымға барған ўақытта, Абшалом ҳәм оның жанындағы Израил әскерлери Иордан дәрьясын кесип өтип атырған еди. 25Абшалом Йоабтың орнына Амасаны сәркәрда етип тайынлады. Амаса израиллы[14] Итраның[15] улы болып, анасының аты Абигайыл еди. Абигайыл Серуяның сиңлиси болып, олар Нахаш деген адамның қызлары еди. Серуя болса, Йоабтың анасы еди. 26Абшалом ҳәм Израил әскерлери Гилад жерине орда қурды.
27Даўыт Маханайымға барғанда, аммонлардың Рабба қаласынан болған Нахаш улы Шобий, ло-дебарлы Аммиел улы Махир ҳәм Рогелимнен болған гиладлы Барзиллай 28Даўытқа көрпе-төсеклер, қырмалар ҳәм ылай ыдыслар алып келди. Және де, Даўыт ҳәм оның жанындағылардың жеўи ушын бийдай, арпа, ун, тары, ақ лобия, қызыл лобия, қуўырмаш, 29пал, май, қой ҳәм малдың сүтинен алынған сыр алып келди. Себеби олар: «Халық шөлде аш, ҳалдан тайған ҳәм шөллеген болса керек», – деп ойлаған еди.

 

18

 

Абшаломның өлтирилиўи

 

1Даўыт өзиниң жанындағы әскерлерин бир жерге топлап, көзден өткерди ҳәм олардың үстинен мыңбасылар менен жүзбасылар қойды. 2Соңынан оларды Серуя улы Йоабтың, оның иниси Абишайдың ҳәм гатлы Иттайдың басшылығында үш топарға бөлип атландырды. Патша әскерлерге:
– Мен де сизлер менен бирге бараман, – деди.
3Бирақ әскерлер:
– Илтимас, сиз бизлер менен бирге бармаң. Егер бизлердиң қашыўымызға туўра келсе де, олар бизлерге дыққат аўдармайды, ҳәтте, ярымымыз өлип кетсек те, олар бизлерге дыққат аўдармайды. Сиз бизлердиң он мыңымызға турасыз. Сонлықтан сизиң бизлерге қалада турып жәрдем бергениңиз жақсырақ, – деп жуўап берди.
4Патша оларға:
– Сизлер нени мақул көрсеңиз, соны ислеймен, – деди.
Адамлар жүзлик ҳәм мыңлық топарларға бөлинип, қаладан шығып баратырғанда, патша дәрўаза жанында турған еди. 5Патша Йоаб, Абишай ҳәм Иттайға: «Мениң ҳүрметим ушын жигитке, Абшаломға зыян тийгизбеңлер», – деп буйырды. Ҳәмме әскерлер патшаның әскербасыларға Абшаломға байланыслы берген буйрығын еситти.
6Даўыттың әскерлери израиллылар менен урысыў ушын урыс майданына шықты. Саўаш Эфрайым тоғайында болды. 7Израил әскерлери Даўыттың әскерлеринен жеңилип қалды. Ол жерде үлкен қырғын болып, сол күни жигирма мың адам өлди. 8Саўаш ҳәмме жерге жайылды. Сол күни тоғайдағы қәўипли жағдайларға жолығып өлгенлердиң саны қылыштан өлгенлердиң санынан көбирек еди.
9Абшалом аңсызда Даўыттың адамларына дус келип қалды. Ол ғашырға минген еди. Ғашыр үлкен бир емен ағашының қалың шақалары астынан өтип баратырғанда, Абшаломның басы шақалар арасына кирип, илинип қалды. Ғашыр жолын даўам етип кете берди, ал Абшалом терекке илиниўи менен, салбырап қалды. 10Сонда бир адам буны көрип қалып, Йоабқа:
– Мен Абшаломның бир емен ағашына илинип, салбырап қалғанын көрдим, – деп хабарлады.
11Йоаб хабар берген адамға:
– Әнеқалас, оны көрген болсаң, неге жерге қулатып өлтирмедиң? Саған он шекел гүмис пенен бир қайыс саўға етер едим, – деди.
12Бирақ сол адам оған былай деп жуўап берди:
– Егер қолыма мың шекел гүмис санап услатқаныңызда да, патшаның улына қол көтермеген болар едим. Себеби патшаның сизге, Абишайға ҳәм Иттайға: «Мениң ҳүрметим ушын жигитти, Абшаломды сақлап қалыңлар», – деп буйрық бергенин еситтик. 13Егер мен жанымды қәтерге қойып, Абшаломды өлтиргенимде, бул исим патшаға билинбей қалмас еди. Сиз де мени жақламаған болар едиңиз.
14Сонда Йоаб сол адамға:
– Бүйтип, сениң менен ўақытты босқа өткермейин, – деп, қолына үш найза алып барып, емен ағашына илинип, еле тири турған Абшаломның жүрегине қадады. 15Соңынан Йоабтың он нөкер жигити Абшаломды қоршап алып, оны өлтирди.
16Соннан кейин Йоаб саўашты тоқтатыў ушын кәрнай шерттиргенде, әскерлер израиллыларды қуўыўды тоқтатып, изине қайтты. 17Йоабтың әскерлери Абшаломды түсирип алды да, тоғайдағы бир терең шуқырға таслады. Шуқырдың үстине үлкен тасларды үйди. Пүткил израиллылар үйлерине қарай қашып кетти.
18Абшалом тири ўақтында: «Атымды есте қалдыратуғын бирде бир улым жоқ», – деп Патша ойпатлығына бир естелик орнатып, оған өзиниң атын берген еди. Бул естелик ҳәзир де «Абшаломның естелиги» деп аталады.

 

Даўыттың аза тутыўы

 

19Садоқ улы Ахимаас Йоабқа:
– Рухсат бер, жуўырып барып, патшаға Жаратқан Ийениң оны душпанларынан қутқарғанын хабарлайын, – деди.
20Йоаб оған:
– Яқ, бүгин хабарды сен жеткизбейсең. Басқа ўақытта хабар жеткизерсең, бирақ бүгин емес. Өйткени патшаның улы өлди, – деди.
21Соңынан Йоаб бир кушлы адамға: «Сен барып, көргенлериңди патшаға жеткиз», – деди. Кушлы адам Йоабтың алдында тәжим етти де, жуўырып кетти.
22Бирақ Садоқ улы Ахимаас және:
– Не болса болсын, рухсат бер, мен де кушлының изинен жуўырайын, – деди.
Йоаб оған:
– Улым, неге жуўырып барғың келип қалды? Бул хабар ушын саған сүйинши бермейди-ғо, – деди.
23Деген менен, Ахимаас:
– Не болса, сол болсын, жуўырып бараман, – деди.
Сонда Йоаб:
– Мейли, жуўырсаң, жуўыр, – деди.
Солай етип, Ахимаас тегислик бойлап жуўырып, кушлыдан озып кетти. 24Сол ўақытта Даўыт қаланың ишки ҳәм сыртқы дәрўазаларының арасында отыр еди. Гүзетши дийўал жанындағы дәрўазаның төбесине шықты. Ол әтирапқа көз жиберип, бир адамның жуўырып киятырғанын көрди. 25Гүзетши бақырып, буны патшаға хабарлады.
Патша оған: «Егер тек бир адам киятырған болса, демек, оның жақсы хабар алып киятырғаны», – деди.
Сол адам кем-кемнен жақынласып келе берди. 26Гүзетши басқа бир адамның да жуўырып киятырғанын көрип, дәрўаза қараўылына: «Әне, және бир адам жуўырып киятыр», – деп бақырды. Сонда патша: «Ол да жақсы хабар алып киятыр», – деди.
27Гүзетши:
– Бириншисиниң жуўырғанын Садоқ улы Ахимаастың жуўырғанына уқсатып турман, – деди.
Патша оған:
– Ахимаас жақсы адам. Ол жақсы хабар алып келеди, – деп жуўап берди.
28Сол ўақытта Ахимаас бәлент даўыс пенен патшаға: «Тынышлық», – деп бақырды. Соңынан патшаның алдында ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етип: «Тақсырыма қол көтергенлерди тәслим еткен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын!» – деди.
29Патша оннан:
– Абшалом жигит аман ба? – деп сорады.
Ахимаас патшаға:
– Йоаб патшаның хызметшиси болған кушлы адам менен мени бул жерге жиберген ўақтында, үлкен бир ала-сапыран болып атырған еди. Бирақ не болғанын билмеймен, – деп жуўап берди.
30Патша оған:
– Шетке шығып, бул жерде тур, – деди.
Ахимаас шетке шығып турды. 31Сол ўақытта кушлы адам да жетип келип:
– Тақсыр, хош хабар! Бүгин Жаратқан Ийе сизге қарсы бас көтергенлердиң ҳәммесиниң қолынан сизди қутқарды, – деди.
32Патша кушлыдан:
– Абшалом жигит аман ба? – деп сорады.
Кушлы патшаға:
– Тақсыр! Душпанларыңыздың ҳәм жаман нийет пенен сизге қарсы бас көтергенлердиң ҳәммесиниң ақыры бул жигиттиң ақыры сыяқлы болсын! – деп жуўап берди.
33Патша албырап қалды. Ол дәрўаза үстиндеги бөлмеге шығып, жылады. Ол шығып баратырып: «Ўаҳ, улым Абшалом! Ўаҳ, улым, улым Абшалом! Улым, сениң орныңа мен өлсем болмас па еди! Ўаҳ, улым, улым Абшалом!» – деп зарлап жылар еди.

 

19

 

Йоабтың Даўытқа кейип, ескертиўи

 

1Йоабқа: «Даўыт патша Абшалом ушын жылап, аза тутып атыр», – деп хабарлады.
2Сол күнги жеңис әскерлер ушын азаға айланды. Себеби олар патшаның улы ушын аза тутып атырғанын еситкен еди. 3Сол күни әскерлер қалаға саўаштан қашқан адамлар сыяқлы уялып кирди. 4Ал патша болса, бетин басып, бәлент даўыс пенен: «Ўаҳ, улым, Абшалом! Абшалом, улым, улым!» – деп бақырып отырған еди.
5Йоаб патша отырған үйге барып, оған былай деди: «Бүгин сизиң жаныңызды, ул-қызларыңыздың жанларын, ҳаялларыңыздың жанларын қутқарған адамлардың ҳәммесин уятқа қойдыңыз. 6Өйткени сиз өзиңизди жек көргенлерди жақсы көрип, өзиңизди жақсы көргенлерди жек көресиз. Бүгин сиз әскербасылардың ҳәм хызметшилердиң өзиңиз ушын ҳеш нәрсеге арзымайтуғынын көрсеттиңиз. Аўа, егер Абшалом тири қалып, ҳәммемиз өлип кеткенде, сиз ушын жақсы болатуғынын мен бүгин аңлап жеттим. 7Енди сыртқа шығып, адамларыңызды жигерлендириң! Жаратқан Ийениң аты менен ант ишемен: егер шықпасаңыз, бүгин түнде сизиң қасыңызда бирде бир адам қалмайды. Бул жаслығыңыздан усы күнге шекем басыңызға түскен апатлардың ишиндеги ең жаманы болады».
8Сонда патша қала дәрўазасының алдына шығып отырды. Пүткил әскерлерге: «Патша қала дәрўазасының алдына келип отырды», – деген хабар жеткенде, олар да патшаның жанына келди.

 

Даўыттың Ерусалимге қайтыўы

 

Сол ўақытта Абшаломның жанындағы израиллылар үйлерине қашып кеткен еди. 9Израилдың ҳәмме урыўларынан болған адамлар бир-бири менен тартысып былай дести: «Патша бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарды. Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарған да сол еди. Ал енди болса, ол Абшалом себепли елден қашып кетти. 10Бизлерге басшы болыўы ушын майлағанымыз Абшалом болса, саўашта өлди. Солай екен, енди неге Даўыт патшаны қайтарып алып келиўге асықпай атырмыз?»
11Даўыт патша руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға былай деп хабар жиберди: «Яҳуда ақсақалларына былай деп айтыңлар: „Пүткил израиллылардың патшаны өз сарайына қайтарыў ҳаққында айтқан сөзлери мениң қулағыма жетип келди. Ал сизлер неге патшаны қайтарыўда соңғылар болмақшысыз? 12Сизлер мениң туўысқанларымсыз – өз сүйегим ҳәм өз етимсиз. Неге сизлер патшаны өз сарайына қайтарыўда ең соңғылар болмақшысыз?“ 13Амасаға да былай деп айтыңлар: „Сен мениң туўысқанымсаң – өз сүйегим ҳәм өз етимсең. Егер мен сени Йоабтың орнына мәңгиге сәркәрда етип қоймасам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!“»
14Солай етип, Даўыт пүткил яҳудалыларды өзине толық аўдырып алды. Яҳудалылар патшаға: «Пүткил адамларыңыз бенен қайтып келиң», – деп хабар жиберди. 15Патша қайтып, Иордан дәрьясына барды. Яҳуда халқы патшаны күтип алып, Иордан дәрьясынан өткизиў ушын Гилгалға келди. 16Бахуримнен беняминли Гера улы Шимей де Даўыт патшаны күтип алыў ушын, яҳудалылар менен бирге асығыс жолға шықты. 17Оның жанында Бенямин урыўынан мың адам бар еди. Шаулдың үйиниң хызметшиси Сиба да он бес улы ҳәм жигирма қулы менен бирге Иордан дәрьясына, патшаның жанына жетип келди. 18Олар патшаның үй-ишин дәрьядан өткериў ҳәм оның тилегин орынлаў ушын патшаның жанына келди. Патша дәрьяны кесип өтпекши болып турғанда, Гера улы Шимей патшаның алдына жығылып, 19оған былай деди: «Тақсыр, мени айыпкер санамаңыз. Сиз Ерусалимнен шыққан күниңизде ислеген жаманлығымды кеўлиңизде сақламай, умытып жибериң. 20Қулыңыз болған мен қандай гүна ислегенимди билемен. Сонлықтан тақсырымды қарсы алыў ушын, пүткил Юсуп урыўынан биринши болып мен келдим».
21Сонда Серуя улы Абишай: «Жаратқан Ийениң майлаған адамын ғарғағаны ушын, Шимей өлиўи тийис», – деди.
22Бирақ Даўыт оған: «Ҳәй, Серуяның уллары, бул сизлердиң жумысыңыз емес. Бүгин сизлер неге маған қарсы шығып атырсыз? Израилда бүгин бирде бир адам өлтирилмейди! Мен өзимниң Израилдың патшасы екенимди билмеймен бе?!» – деди. 23Соңынан ол ант ишип, Шимейге: «Сен өлмейсең!» – деди.
24Шаулдың ақлығы Мефибошет те патшаны күтип алыў ушын шыққан еди. Ол патша кеткен күннен баслап, аман-есен изге қайтқан күнине шекем аяқларын да, кийимлерин де жуўмаған, сақалын да алмаған еди. 25Мефибошет патшаны күтип алыў ушын Ерусалимнен келгенде, патша оннан:
– Мефибошет, сен неге мениң менен бирге кетпедиң? – деп сорады.
26Мефибошет патшаға былай деп жуўап берди:
– Тақсыр, қулыңыз болған мен майып болғаным себепли, қулым Сибаға: «Ешекти ертле, мен оған минип, патша менен бирге кетемен», – дедим. Бирақ ол мени алдады. 27Тақсыр, сизиң алдыңызда ол маған жала жапты. Бирақ сиз, тақсыр, Қудайдың периштеси сыяқлысыз. Сиз нени мақул көрсеңиз, соны ислең. 28Себеби тақсырым, сизиң алдыңызда әкемниң урпақларының ҳәммеси өз өлимин күтип жүргенинде, сиз қулыңыз болған мени дастурханыңыздан аўқат жейтуғынлар арасына отырғыздыңыз. Сизден буннан артық бир нәрсе сораўға не ҳақым бар, о, патша?!
29Патша оған:
– Өз ислериң ҳаққында гәпти балалатыўдың не ҳәжети бар? Саған айтатуғыным мынаў: Сиба менен екеўиңиз жерлерди бөлисип алың, – деди.
30Бирақ Мефибошет патшаға:
– Тақсырым сарайына аман-саў қайтып келген екен, енди барлық жерлерди Сиба ала ғойсын, – деп жуўап берди.
31Гиладлы Барзиллай да Иордан дәрьясын кесип өтиўде патшаға жолдас болып, оны шығарып салыў ушын, Рогелимнен келген еди. 32Барзиллай оғада қартайған болып, сексен жасқа шыққан еди. Ол жүдә бай адам болғанлықтан, патша Маханайымда болған ўақытта, патшаны азық-аўқат пенен тәмийинлеп турған еди. 33Патша Барзиллайға:
– Мениң менен бирге дәрьяны кесип өт. Ерусалимде мен сени азық-аўқат пенен тәмийинлеймен, – деди.
34Бирақ Барзиллай патшаға былай деп жуўап берди:
– Сиз бенен Ерусалимге кететуғындай, қанша өмирим қалды дейсиз? 35Мен ҳәзир сексен жастаман. Жақсы менен жаманды ажырата алмасам, ишкен-жегенимниң дәмин сезе алмасам, еркек ҳәм ҳаял қосықшының даўысын есите алмасам, тақсыр, сизге жүк болыўымның неге кереги бар? 36Қулыңыз болған мен тек ғана Иордан дәрьясын сиз бенен бирге кесип өтип, сизге аз-маз жолдас болмақшы едим. Патша, сиз неге маған буншелли сый көрсетип атырсыз? 37Маған үйиме қайтыўға рухсат бериң. Бирақ қулыңыз Кимҳам усы жерде, ол сиз бенен бирге арғы тәрепке өтсин. Оған нени мақул көрсеңиз, соны ислең.
38Патша оған:
– Кимҳам мениң менен бирге арғы тәрепке өтеди. Сен оған нени мақул көрсең, мен соны ислеймен. Меннен не тилесең де, тилегиңди орынлайман, – деди.
39Соннан кейин, патша ҳәм пүткил халық Иордан дәрьясынан өтти. Патша Барзиллайды сүйип, оған пәтия берди. Соңынан Барзиллай үйине қайтты.
40Патша Гилгалға кетти. Кимҳам да оның менен бирге кетти. Пүткил Яҳуда әскерлери ҳәм Израил әскерлериниң ярымы патшаға жолдас болды. 41Сонда израиллылар патшаға барып:
– Неге туўысқанларымыз яҳудалылар сизди урлап кетип, сизди ҳәм хожалығыңызды пүткил адамларыңыз бенен Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткерип қойды? – деди.
42Яҳудалылар израиллыларға:
– Өйткени патша бизлердиң жақынымыз. Неге буған қапа боласызлар? Патшаның аўқатынан бир нәрсе жедик пе? Я болмаса, өзимизге бир нәрсе алдық па? – деди.
43Израиллылар яҳудалыларға жуўап берип:
– Патшада бизлердиң он пайымыз бар. Сонлықтан Даўыт патшада сизлерден гөре көбирек ҳақымыз бар. Солай екен, неге бизлерди жерге урасызлар? Патшамызды қайтып алып келиўди биринши болып бизлер айтқан жоқ па едик? – деди.
Деген менен, яҳудалылардың сөзлери израиллылардикинен күшлирек болды.

 

20

 

Шебаның қозғалаңы

 

1Сол арада сол жерде Бенямин урыўынан Бихрийдиң улы Шеба деген жарамас бир адам пайда болды. Шеба кәрнай шертип:

 

«Даўыт пенен байланысымыз жоқ,
Ишай улы Даўытта қарызымыз да жоқ.
Ҳәй, израиллылар, ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар!» – деди.

 

2Сонда пүткил израиллылар Даўытты таслап, Бихрий улы Шебаның изине ерип кетип қалды. Ал яҳудалылар өз патшасы тәрепинде қалып, Иордан дәрьясынан Ерусалимге шекем оған жолдас болды.
3Даўыт патша Ерусалимдеги сарайына қайтып барғанда, сарайға қарап турыўы ушын таслап кеткен тоқалларын бақлаў астында сақлап, оларды тәмийинлеп турды. Бирақ олар менен жатпады. Олар өмириниң ақырына шекем үй қамағында сақланып, жесир ҳаяллар сыяқлы жасады.
4Даўыт Амасаға: «Үш күн ишинде яҳудалыларды алдыма шақырып кел. Өзиң де усы жерде бол», – деди. 5Амаса яҳудалыларды шақырып келиў ушын кетти. Бирақ ол белгиленген ўақытта қайтып келмеди. 6Сонда Даўыт Абишайға: «Енди Бихрий улы Шеба бизлерге Абшаломнан да үлкенирек жаманлық ислейди. Ол өзине қорғанлы қалаларды таўып алып, көзимизден ғайып болмаўы ушын, сен мениң әскерлеримди ал да, оның изинен қуў», – деди. 7Солай етип, Йоабтың адамлары, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм пүткил мәрт жаўынгерлер Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Абишайдың басшылығында Ерусалимнен шықты. 8Олар Гибондағы үлкен жартастың жанына жетип барғанда, Амаса олардың алдынан шықты. Йоаб саўаш кийимин кийип алған еди. Ол кийиминиң сыртынан бир қайыс тағып, қайысқа қынында турған бир қанжар байлаған еди. Йоаб алдыға жүрип баратырып, қанжарды қынынан шығарды.
9Йоаб Амасаға: «Қалайсаң, туўысқаным?» – деди де, оны сүйиў ушын, оң қолы менен Амасаның сақалынан услады. 10Амаса Йоабтың қолындағы қанжарды аңламады. Йоаб қанжарды Амасаның қарнына суғып жибергенде, оның ишек-қарны жерге төгилди. Екинши рет урыўға ҳәжет қалмады, ол өлген еди.
Буннан соң, Йоаб ҳәм оның иниси Абишай Бихрий улы Шебаны қуўыўды даўам етти. 11Йоабтың адамларының бири Амасаның өлигиниң жанында турып, Амасаның адамларына: «Йоабқа садық болып, Даўыт тәрепте болған ҳәр бир адам Йоабқа ерсин», – деди. 12Амасаның өли денеси қанға былғанып, жолдың ортасында жатырған еди. Йоабтың адамы өлиге жақынласқан ҳәр бир адамның сол жерде тоқтап қалып атырғанын көргенде, Амасаның өлигин сүйреп, атызға ылақтырып жиберди де, үстине бир кийимди таслады. 13Өлик жолдан алып тасланғаннан соң, ҳәмме Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Йоабтың изинен кетти.
14Сол арада Шеба пүткил Израил урыўларының жерлеринен өтип, Абел-Бейт-Маахаға келди. Сол аймақлардың халқы да оған қосылды. Ҳәммеси топланып, Шебаға ерди. 15Йоаб барлық адамлары менен барып, Абел-Бейт-Мааха қаласында болған Шебаны қоршап алды. Олар қаланың алдына топырақ үйди ҳәм оның үстине минип, дийўалды қулата баслады.
16Сол ўақытта ақыллы бир ҳаял қала ишинен бақырып: «Тыңлаңлар! Тыңлаңлар! Йоабқа айтыңлар, берман келсин, мен оның менен сөйлесежақпан», – деди. 17Йоаб ҳаялға жақынласты. Сонда ҳаял оннан:
– Йоаб деген сизбисиз? – деп сорады.
– Аўа, мен, – деп жуўап берди Йоаб.
Ҳаял Йоабқа:
– Онда шорыңыздың гәпин еситиң, – деди.
Йоаб оған:
– Қулағым сенде, – деди.
18Ҳаял сөзин былай деп даўам етти:
– Бурынғылар: «Абел қаласына барып, мәсләҳәт алыңлар», – дейтуғын ҳәм мәселе солай шешилетуғын еди. 19Бизлер Израилдың тынышлығын қәлейтуғын садық адамлармыз. Сиз болсаңыз, Израилдағы анадай қәдирли қалалардың бирин ўайран қылмақшысыз. Жаратқан Ийениң ийелигин не ушын жоқ қылмақшысыз?
20Йоаб ҳаялға жуўап берип былай деди:
– Ҳасла, олай емес! Мен ўайран қылмақшы да, жоқ қылмақшы да емеспен. 21Ҳеш қандай олай емес. Эфрайым таўлы үлкесинен болған Бихрий улы Шеба деген адам Даўыт патшаға қарсы бас көтерди. Егер оның жалғыз өзин тутып берсеңиз, мен қаладан артқа шегинемен.
Сонда ҳаял Йоабқа:
– Оның басын сизге дийўалдан таслаймыз, – деди.
22Соңынан ҳаял өзиниң дана сөзлерин пүткил халыққа жеткизиў ушын кетти. Халық Бихрий улы Шебаның басын кесип, Йоабқа ылақтырды. Сонда Йоаб кәрнай шертти ҳәм оның адамлары қаланы таслап, үйлерине кетти. Йоаб та Ерусалимге, патшаның жанына қайтып келди.

 

Даўыттың ҳәмелдарлары

 

23Йоаб пүткил Израил әскерлериниң сәркәрдасы еди. Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың әскербасысы еди. 24Адонирам мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы еди. 25Шеўа хаткер, Садоқ ҳәм Абиятар руўханийлер еди. 26Және де, яирли Ира Даўыттың руўханийи еди.

 

21

 

Даўыттың гибонлылар ушын өш алыўы

 

1Даўыт патшалық еткен дәўирде үш жыл қатара ашаршылық болды. Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден кеңес сорады ҳәм Жаратқан Ийе оған: «Буған Шаул ҳәм оның қанхор үй-иши себепши болды. Өйткени Шаул гибонлыларды өлтирди», – деп жуўап берди. 2Патша гибонлыларды шақыртып алып, олар менен сөйлести. Гибонлылар Израил халқынан емес, ал амор халқынан қалған халық болып, израиллылар оларды тири қалдырыўға ант ишкен еди. Деген менен, Израил ҳәм Яҳуда халқы ушын жан күйдирген Шаул оларды жоқ қылыўға ҳәрекет етти. 3Даўыт гибонлылардан:
– Сизлер ушын не ислейин? Жаратқан Ийениң халқына пәтияңызды бериўиңиз ушын, бул гүнаны не менен жуўайын? – деп сорады.
4Гибонлылар Даўытқа:
– Бизлерге Шаулдан ҳәм оның үй-ишинен гүмис те, алтын да керек емес. Израилда ҳеш кимди де өлтириўди қәлемеймиз, – деди.
Даўыт және:
– Сизлер нени қәлесеңиз, мен соны орынлайман, – деди.
5Сонда гибонлылар патшаға былай деп жуўап берди:
– Израилдың ҳеш бир жеринде жасамаўымыз ушын, Шаул бизлерди қырып тасламақшы болды. 6Сонлықтан Шаулдың урпақларынан жетеўин бизлерге бер. Бизлер оларды Жаратқан Ийениң таңлағаны болған Шаулдың қаласы Гибада, Жаратқан Ийениң алдында дарға асамыз.
Патша:
– Мен оларды сизлерге беремен, – деди.
7Даўыт патша Шаулдың улы Йонатан менен Жаратқан Ийениң алдында ант ишискени себепли, Йонатанның улы Мефибошетке реҳим қылды. 8Ал Айя қызы Риспаның Шаулдан туўған Армоний ҳәм Мефибошет деген еки улын, Шаулдың қызы Мерабтың мехолалы Барзиллай улы Адриелден туўған бес улын алдырып, 9оларды гибонлылардың қолына тапсырды. Гибонлылар оларды таўда, Жаратқан Ийениң алдында дарға асты. Олардың жетеўи де бир ўақытта жан берди. Олар бәҳәрдеги жыйын-теримниң дәслепки күнлеринде, арпа орағының басланған ўақтында өлтирилди.
10Айя қызы Риспа аза кийимин алып, сол таўдағы бир жартастың үстине жайды ҳәм жыйын-теримниң дәслепки күнлеринен баслап, денелердиң үстине гүзги жаўын жаўғанға шекем сол жерде отырды. Ол денелерди күндиз аспандағы қуслардан, түнде жабайы ҳайўанлардан қорыды.
11Даўытқа Шаулдың тоқалы Айя қызы Риспаның ислеген ислери ҳаққында билдирилди. 12Сонда Даўыт барып, Шаулдың ҳәм оның улы Йонатанның сүйеклерин Ябеш-Гилад халқынан алды. Филистлер Гилбоада Шаулды өлтирген күни оның ҳәм оның улының денелерин Бейт-Шан қаласының майданына асып қойған еди. Ал Ябеш-Гилад халқы денелерди жасырын түрде ол жерден алып қайтқан еди. 13Даўыт Шаулдың ҳәм оның улы Йонатанның сүйеклерин ол жерден алып келди. Дарға асылған жети адамның сүйеклери де жыйналды. 14Олардың ҳәм Шаул менен оның улы Йонатанның сүйеклери Бенямин жериндеги Селаға, Шаулдың әкеси Киштиң қәбирине қойылды. Солай етип, патшаның барлық буйрықлары орынланды. Буннан кейин, Қудай ел ушын соралған дуўаларға жуўап берди.

 

Филистлерге қарсы урыс

 

15Филистлер менен израиллылар арасында жаңадан урыс басланды. Даўыт адамлары менен барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм ол қатты шаршады. 16Ушының өзи үш жүз шекел қоладан исленген найза көтерип, таза қылыш асынған дәў әўладларынан[16] болған Ишбий-Беноб Даўытты өлтирмекши болды. 17Бирақ Серуя улы Абишай Даўытқа жәрдемге келип, сол филистти өлтирди. Буннан кейин, Даўыттың адамлары ант ишип, Даўытқа: «Израилдың шырағы өшип қалмаўы ушын, артық сизиң бизлер менен урысқа барыўыңызға жол қоймаймыз», – деди.
18Соңынан Гоб қаласында филистлер менен және урыс басланды. Бул урыста хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Саф деген адамды өлтирди.
19Гобта израиллылар менен филистлер арасында тағы бир урыс болды. Урыста бейтлеҳемли Яаре-Орегимниң улы Элханан гатлы Голиятты өлтирди. Голияттың найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.
20Кейин ала Гат қаласында және саўаш болды. Ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди. 21Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Йонатан оны өлтирди.
22Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы төрт адам да Гаттағы дәў әўладларынан еди.

 

22

 

Даўыттың жеңис жыры

 

1Жаратқан Ийе Даўытты пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күни Даўыт Жаратқан Ийеге арнап, мына жырды айтты:

 

 

2«Жаратқан Ийе мениң сүйенген таўым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым,
3Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман,
Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым,
Ол қорғаным ҳәм панам,
Қутқарыўшым, зулымлықтан мени Сен қутқарасаң.
4Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман,
Қутқарыламан душпанларымнан.
5Әжел толқынлары қоршап алып,
Набыт болыў ағыслары қорқытты мени.
6Өлилер мәканының шынжырлары байлады мени,
Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым,
Қудайымды шақырдым.
Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти,
Қышқырғаным қулағына жетип барды.
8Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды,
Аспанның тийкары ләрзеге келди,
Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9Мурнынан түтин көтерилди,
Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып,
Оннан көмир шоғы жаўды.
10Аспанды жарып, төменге түсип,
Қара түнекти аяқларына басты.
11Бир керубқа минип,
Самалдың қанатлары үстинде ушты.
12Түнекке оранып,
Қара бултларды өзине шертек қылды.
13Оның алдындағы нурдан,
Көмир шоғы шашырап турды.
14Гүркиреди аспаннан Жаратқан Ийе,
Даўыс берди Қудай Таала.
15Оқлар атып, душпанларын пытыратты,
Шақмақ шақтырып, оларды албыратып таслады.
16Жаратқан Ийениң ғәзебинен,
Мурнынан шыққан күшли деминен,
Теңиздиң түби көринди,
Дүньяның тийкары ашылып қалды.
17Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан,
Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18Қутқарды мени күшли душпанымнан,
Меннен күшлирек болған,
Мени жек көретуғынлардан.
19Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде,
Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20Ол кең жерге шығарды мени,
Кеўли толып, қутқарды мени.
21Сый берди ҳақлығым ушын Жаратқан Ийе,
Сыйлықлады мени пәк қолларым ушын.
22Өйткени жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен,
Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23Көз алдымда сақладым пүткил нызамларын,
Жүз бурмадым қағыйдаларынан да.
24Минсиз болдым оның алдында,
Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25Сонлықтан сыйлықлады Жаратқан Ийе,
Ҳақлығым ҳәм көз алдындағы пәклигим ушын.
26Сен садыққа садықлық көрсетип,
Минсизге минсиз боласаң.
27Пәк адамға пәклигиңди көрсетип,
Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28Кишипейиллерди қутқарасаң,
Менменлерди бақлап, көкирегин басасаң.
29Қараңғылығымды жақтыға айландыратуғын,
Өзиң шырағымсаң, Жаратқан Ийе!
30Сениң менен ләшкерлерди қыйратып,
Қудайым менен дийўаллардан асарман.
31Қудайдың жолы минсиз,
Жаратқан Ийениң сөзи ҳақ,
Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма?
Қудайдан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33Қудай мениң қорғаным,
Жолымды минсиз қылатуғын да Ол.
34Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды,
Қояр мени бийикликлерге.
35Үйретеди қолларымды урысыўға,
Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды,
Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37Кең қыларсаң басар жолымды,
Аяқларым мениң сүрникпес.
38Жоқ қылдым душпанларымды қуўып жетип,
Изге қайтпадым оларды жоқ қылмай турып.
39Қырып, жоқ еттим, тура алмай қалды,
Аяқларым астында созылып жатып.
40Саўаш ушын мени толтырдың күшке,
Маған қарсы шыққанларды қулаттың алдымда.
41Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың,
Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады,
Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43Ездим оларды жердеги топырақ яңлы,
Басқыладым оларды жердеги ылай яңлы.
44Қутқардың халқымның көтерилисинен мени,
Миллетлерге басшы қылыў ушын сақладың мени,
Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45Жат еллилер маған бас ийер,
Сестимди еситер-еситпес маған бойсынар.
46Жат еллилердиң ҳүрейи ушып,
Шығар титиреп, паналаған жерлеринен.
47Жаратқан Ийе тири! Қорғаўшыма алғыс-мақтаўлар болсын!
Қутқарыўшым болған жартасым уллылансын!
48Ол болады мениң өшимди алған,
Халықларды маған бағынышлы қылған.
49Қутқарар Ол душпанларымнан,
Үстин қылар маған қарсы шыққанлардан,
Қолынан қутқарар жаўызлардың.
50Буның ушын О, Жаратқан Ийе! Тәрийиплеймен Сени халықлар арасында,
Алғыс-мақтаўлар айтаман атыңа арнап.
51Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер,
Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына,
Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер».

 

23

 

Даўыттың соңғы сөзлери

 

1Даўыттың соңғы сөзлери мыналар болды:

 

 

«Ишай улы Даўыт,
Қудай мәртебели қылған адам,
Яқыптың Қудайының майлағаны,
Израилдың сүйикли жыршысы былай дейди:
2Сөйлер Жаратқан Ийениң Руўхы мен арқалы,
Оның сөзи мениң тилимде.
3Сөйледи Израилдың Қудайы,
Израилдың қорғаўшы жартасы маған былай деди:
„Инсанларды әдиллик пенен
ҳәм Қудайдан қорқып басқарған адам,
4Ол бултсыз аспандағы таң нурына уқсайды,
Жерден шөп шығаратуғын жаўыннан кейинги нурларға уқсайды“.
5Үй-ишим де Қудай менен солай емес пе?
Ол мениң менен мәңги қалатуғын,
Ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм исенимли келисим дүзди.
Мениң қутқарылыўымды да, тилеклеримди де Ол иске асырмай ма?
6Ал наҳақлар қол менен услап болмайтуғын тикенлер киби ылақтырылар,
7Тикенлерди жоқ қылмақшы болғанлар,
Темир әсбап ямаса найзаның сабы менен қуралланар.
Тикенлер турған жеринде жағып жиберилер».

 

Даўыттың мәрт әскерлери

 

8Даўыттың батыр жаўынгерлериниң атлары мыналар: үш адамның ишинде басшы болған тахкемонлы Йошеб-Башшебет[17] бир урысқанда найзасы менен сегиз жүз адамды өлтирди.
9Екиншиси ахохлының урпағынан Додо улы Элазар болып, урысыў ушын топланған филистлерге қарсы шыққан Даўыттың жанындағы үш батырдың бири еди. Израиллылар ол ўақытта артқа шегинген еди. 10Бирақ Элазар орнында турып қалды. Ол қолы талып, қылышқа жабысып қалғанша, филистлерди өлтирди. Сол күни Жаратқан Ийе уллы жеңис инәм етти. Израиллылар тек өлгенлердиң затларын олжаға алыў ушын ғана Элазардың жанына барды.
11Үшиншиси ҳарарлы Аге улы Шамма еди. Филистлер Лехийдеги бир қызыл лобия атызының жанында топланғанда, Израил әскерлери олардың алдына түсип қашқан еди. 12Бирақ Шамма атыздың ортасында турып, сол жерди қорғады ҳәм филистлерди өлтирди. Сонда Жаратқан Ийе уллы жеңис инәм етти.
13Жыйын-терим ўақтында, отыз басшыдан үшеўи Даўытқа қосылыў ушын Адуллам үңгирине кетти. Сол ўақытта филистлердиң бир топары Рефаим ойпатлығында орда қурған еди. 14Бул ўақытта Даўыт қорғанда, ал филистлердиң тийкарғы топары Бейтлеҳемде еди. 15Даўыт суў ишкиси келип: «Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди!», – деди. 16Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды. 17Ол: «О, Жаратқан Ийе, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып, барған бул үш адамның қанын ишейин бе?» – деди.
Сөйтип, Даўыт суўды ишпеди. Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди.
18Йоабтың туўысқаны, Серуяның улы болған Абишай сол отыз[18] батырдың басшысы еди. Абишай найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сонлықтан ол да үш батыр сыяқлы даңқ таратты. 19Ол отыз[19]батырға қарағанда атақлырақ болып, оларға басшы еди. Бирақ ол сол үш батырдың қатарына кирмеди.
20Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди. 21Және ол дәўдей бир мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында найзасы бар еди. Ал Беная оған таяқ пенен қарсы шығып, оның қолындағы найзасын тартып алды да, оны өзиниң найзасы менен өлтирди. 22Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты. 23Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды.
24Отыз батырдың қатарында болғанлар төмендегилер:

 

Йоабтың иниси Асаҳел,
Бейтлеҳемли Додоның улы Элханан,
25хародлылар Шамма ҳәм Элиқа,
26пелетли Хелес, теқоалы Иккеш улы Ира,
27анатотлы Абиезер, хушалы Мабуннай,
28ахохлы Салмон, нетофалы Маҳарай,
29нетофалы Баана улы Хелеб,
Бенямин урыўынан гибалы Рибай улы Иттай,
30пиратонлы Беная, Гааш сайлары аймағынан Ҳиддай,
31арбалы Абий-Албон, бархумлы Азмаўет,
32шаалбонлы Эляхба, Яшенниң уллары:
33ҳарарлы Шамманың улы Йонатан, ҳарарлы Шарар улы Ахиам,
34маахалы Ахасбай улы Элифелет,
гилолы Ахитофел улы Элиам,
35кармелли Хесрай, араблы Паарай,
36собалы Натан улы Игал, Гад урыўынан Баний,
37аммон халқынан Селек, Серуя улы Йоабтың нөкери бееротлы Нахарай,
38итерлилер Ира ҳәм Гареб,
39хетт халқынан Урия.
Ҳәммеси отыз жети адам еди.

 

24

 

Даўыттың санақтан өткериўи

 

1Жаратқан Ийениң Израил халқына және ғәзеби қайнады ҳәм Даўытты оларға қарсы қойып, Израил ҳәм Яҳуда халқын санап шығыўды тапсырды. 2Сонда патша қасындағы сәркәрдасы Йоабқа мына буйрықты берип, оған:
– Даннан Беер-Шебаға шекемги барлық урыўларға барып, халықты санап шығыңлар, мен халықтың санын билейин, – деди.
3Бирақ Йоаб Даўытқа:
– Қудайың Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, сиз де буны көргейсиз. Бирақ, тақсыр, неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? – деди.
4Деген менен, Йоабтың ҳәм әскербасылардың сөзинен патшаның сөзи үстин келди. Солай етип, олар патшаның жанынан шығып, Израил халқын санаў ушын кетти.
5Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Гад жериндеги ойпатлықтың ортасындағы қаланың қубласына, Ароерге шатыр қурып, сол жерде тоқтады. Соңынан ол жерден Язерге, 6Гиладқа, Тахтим-Ходши жерлерине ҳәм Дан-Яаанға өтип, айланба жол арқалы Сидонға барды. 7Оннан кейин, Тир қорғанына ҳәм хиў менен кенаан халықларының барлық қалаларына барды. Ақырында, Яҳуданың қубласындағы Беер-Шебаға келди. 8Олар тоғыз ай жигирма күн елди бастан-аяқ айланып шыққаннан кейин, Ерусалимге қайтып келди. 9Йоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Израилда урысқа жарамлы сегиз жүз мың, ал Яҳудада болса, бес жүз мың адам бар еди.
10Халықты санақтан өткергеннен кейин, Даўыттың ҳүжданы қыйналды ҳәм Жаратқан Ийеге: «Бул исим арқалы үлкен гүна иследим. О, Жаратқан Ийе, жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр! Мен ақмақлық қылдым», – деди.
11Ертеңине азанда Даўыт уйқыдан турмастан алдын, оның ўәлийи болған пайғамбар Гадқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 12«Барып, Даўытқа былай деп айт: „ Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен“».
13Гад Даўытқа барып, мыналарды билдирди:
– Елиңизде жети жыл ашлық болсын ба? Ямаса сизди қуўдалайтуғын душпанларыңыздың алдында үш ай қашып жүресиз бе? Яки, елиңиз үш күн оба кеселлигине ушырасын ба? Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң.
14Даўыт Гадқа:
– Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими күшли, – деп жуўап берди.
15Солай етип, Жаратқан Ийе азаннан баслап белгиленген ўақытқа шекем Израил халқына оба кеселлигин жиберди. Сонда Даннан Беер-Шебаға шекемги халықтан жетпис мың адам өлди. 16Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди жоқ қылмақшы болып қолын созғанда, Жаратқан Ийе Өзи жиберип атырған қырғыннан ўаз кешти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Араўнаның қырман жеринде турған еди. 17Даўыт халықты қырған периштени көргенде, Жаратқан Ийеге: «Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлар не қылыпты? Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала», – деди.

 

Даўыттың қурбанлық орын қурыўы

 

18Сол күни пайғамбар Гад Даўытқа келип, оған: «Ебус халқынан болған Араўнаның қырман жерине барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурың», – деди. 19Даўыт Гадтың сөзине Жаратқан Ийениң буйрығы сыяқлы қулақ асып, жолға шықты. 20Араўна патшаның ҳәм оның хызметшилериниң өзине туўрылап киятырғанын көрди. Ол Даўыттың алдына барып, ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти. 21Соңынан ол:
– Тақсыр, не ушын қулыңыздың жанына келдиңиз? – деп сорады.
Даўыт оған:
– Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурыў ушын, қырман жерин сеннен сатып алыўға келдим. Халыққа келген оба кеселлиги тоқтаў ушын усылай ислемекшимен, – деп жуўап берди.
22Араўна Даўытқа:
– Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны алып, Жаратқан Ийеге усының. Мине, жандырылатуғын қурбанлық ушын өгизлер, отын ушын түйек айдайтуғын қурал ҳәм өгизлердиң ер-турманлары. 23О, патша! Мен булардың ҳәммесин сизге беремен, – деди. Соңынан:
– Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизге кеўли толсын! – деп қосып қойды.
24Бирақ патша:
– Яқ, болмайды! Сеннен бул нәрселерди қунын төлеп сатып аламан. Себеби пулы төленбеген қурбанлықты Қудайым Жаратқан Ийеге арнап жақпайман, – деди.
Солай етип, Даўыт қырман жерин ҳәм өгизлерди елиў шекел гүмиске сатып алды. 25Соңынан Даўыт сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Жаратқан Ийе де ел ушын етилген дуўаларға жуўап берди ҳәм Израилға келген оба тоқтады.

 

 

 

Патшалық ҳаққында 3-китап

Патшалық туўралы үшинши китап

 

 

1

 

Патша Даўыттың соңғы жыллары

 

1Патша Даўыт қартайып, бираз жасқа барып қалды. Оның үстине қанша көрпе жаўса да, ол ҳеш ысымады. 2Сонда хызметшилери Даўытқа: «Тақсыр! Жаныңызда болып сизге қараўы, қойныңызға кирип сизди ысытыўы ушын жас бир қыз табайық», – деди.
3Хызметшилер пүткил Израилды аралап, сулыў қыз изледи ҳәм шунемли Абишаг деген жас ҳәм сулыў бир қызды таўып, оны патшаға алып келди. 4Қыз жүдә гөззал еди. Ол патшаға қарап, оған хызмет етти. Бирақ патша қызға жақынласпады.

 

Адонияның тахт ушын таласыўы

 

5Даўыттың Хаггит деген ҳаялынан туўылған улы Адония: «Мен патша боламан», – деп көкирек көтерип жүрди. Ол өзине саўаш арбаларын, атлыларды ҳәм алдында жүретуғын елиў сақшы алды. 6Әкеси Даўыт ҳеш қашан оған: «Неге булай иследиң?» – деп, оны тәртипке шақырып турмайтуғын еди. Адония Абшаломнан кейин туўылған болып, ол да жүдә сымбаты келискен жигит еди.
7Адония Серуя улы Йоаб ҳәм руўханий Абиятар менен кеңести ҳәм олар Адонияны қоллап-қуўатлады. 8Бирақ руўханий Садоқ, Еҳояда улы Беная, пайғамбар Натан, Шимей, Рей ҳәм Даўыттың тән сақшылары Адонияға қосылмады.
9Адония Рогел булағына жақын жердеги Зохелет тасының жанында қойлар, буғалар ҳәм семиртилген баспақларды қурбанлыққа шалды. Оған өзиниң пүткил туўысқанларын, яғный патшаның улларын ҳәм патшаға хызмет ететуғын барлық яҳудалыларды мирәт етти. 10Бирақ пайғамбар Натанды, Бенаяны, патшаның тән сақшыларын ҳәм туўысқаны Сулайманды мирәт етпеди.

 

Сулайманның патша етип жәрияланыўы

 

11Сонда Натан Сулайманның анасы Бат-Шебаға былай деди: «Хаггиттен туўылған Адонияның өзин өзи патша деп жәриялағанын еситпедиңиз бе? Мырзамыз Даўыттың буннан хабары жоқ. 12Енди өзиңиздиң ҳәм улыңыз Сулайманның өмирин қутқарып қалыўыңыз ушын сизге бир мәсләҳәт берейин. 13Барып, патша Даўыттың алдына кириң ҳәм оған: „Тақсыр, меннен соң сениң улың Сулайман патша болып, мениң тахтыма отырады, деп маған ант ишкен жоқ па едиңиз? Онда неге Адония патша болды?“ – деп айтың. 14Сиз патша менен сөйлесип атырғаныңызда, изиңизше мен де ишке кирип барып, сөзлериңизди тастыйықлайман».
15Бат-Шеба патшаның жатақ жайына кирди. Патша қатты қартайған болып, шунемли Абишаг оған хызмет етип атырған еди. 16Бат-Шеба жерге жығылып, патшаға тәжим етти. Патша оннан:
– Тилегиң не? – деп сорады.
17Бат-Шеба оған былай деп жуўап берди:
– Тақсыр! Сиз: «Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң аты менен маған ант берген едиңиз. 18Мине, ҳәзир Адония патша болып алған. Тақсыр, буннан сизиң хабарыңыз жоқ. 19Ол бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалды. Оған патшаның ҳәмме улларын, руўханий Абиятарды ҳәм сәркәрда Йоабты мирәт етти. Бирақ сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди. 20Тақсыр, пүткил Израилдың көзи сизде. Олар өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын билдириўиңизди күтип атыр. 21Болмаса, сиз дүньядан өтип, ата-бабаларыңызға қосылғаныңызда, маған ҳәм улым Сулайманға айып тағылады.
22Бат-Шеба еле патша менен сөйлесип турғанда, пайғамбар Натан да келди. 23Патшаға: «Пайғамбар Натан келди», – деп хабарлады. Натан патшаның алдына келди де, ет-бетинен жығылып, тәжим етти.
24Соңынан Натан былай деди: «Тақсыр, сиз: „Меннен кейин Адония патша болады, тахтыма ол отырады“, – деген бе едиңиз? 25Ол бүгин барып, бир қанша буғаларды, семиртилген баспақларды ҳәм қойларды қурбанлыққа шалып, сизиң барлық улларыңызды, ордадағы әскербасыларды ҳәм руўханий Абиятарды мирәт етти. Ҳәзир ҳәммеси оның менен ишип-жеп: „Жасасын, патша Адония!“ – деп бақырысып атыр. 26Бирақ Адония мени, руўханий Садоқты, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм сизге хызмет ететуғын улыңыз Сулайманды мирәт етпеди. 27Тақсыр, булардың ҳәммеси сизиң рухсатыңыз бенен болып атыр ма? Не ушын өзиңизден кейин тахтыңызға кимниң отыратуғынын қулларыңыз болған бизлерге билдирмедиңиз?»
28Патша Даўыт: «Бат-Шебаны маған шақырың!» – деди. Бат-Шеба келип, патшаның алдында турды.
29Патша Бат-Шебаға былай деди:
– Мени барлық бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: 30«Меннен кейин улың Сулайман патша болып, тахтыма отырады», – деп Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе алдында саған берген антымды бүгин орынлайман.
31Сонда Бат-Шеба ет-бетинен жығылып, патшаға тәжим етти де:
– Мырзам Даўыт патша мәңги жасасын! – деди.
32Патша Даўыт: «Руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды ҳәм Еҳояда улы Бенаяны маған шақырың», – деди. Олардың ҳәммеси патшаның алдына келгенде, 33патша оларға былай деди: «Мениң хызметкерлеримди жаныңызға алың ҳәм улым Сулайманды мениң ғашырыма миндирип, Гихон булағына апарың. 34Ол жерде руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан оны майлап, Израилға патша етип қойсын. Кейин кәрнай шалып: „Жасасын, патша Сулайман!“ – деп жар салың. 35Соңынан оның изине ерип, қайтып келиң. Ол келип, мениң тахтыма отырады ҳәм мениң орныма патша болады. Мен оны Израил ҳәм Яҳудаға ҳүкимдар етип тайынладым».
36Еҳояда улы Беная патшаға жуўап берип былай деди: «Аўмийин. Тақсыр, сизиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе де бул қарарды қоллап-қуўатласын. 37Жаратқан Ийе сиз бенен бирге болғаны сыяқлы, Сулайман менен де бирге болсын ҳәм оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!»
38Руўханий Садоқ, пайғамбар Натан, Еҳояда улы Беная ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар[1] Сулайманды патша Даўыттың ғашырына миндирип, оны Гихонға алып барды. 39Руўханий Садоқ Мухаддес шатырдан зәйтүн майы қуйылған шақты алып, Сулайманның басына май қуйды. Соңынан олар кәрнай шалды ҳәм ҳәмме адамлар: «Жасасын, патша Сулайман!» – деп бақырды. 40Халық Сулайманның изине ерип кетти. Олардың сырнай шалып, уллы қуўаныш пенен бақырысқан даўысларынан жер титиреди.
41Адония ҳәм оның жанындағы қонақлар енди аўқатларын жеп болғанда, усы даўысты еситти. Йоаб кәрнай даўысын еситкенде: «Қаланы ләрзеге келтирип атырған бул не шаўқым екен?» – деди. 42Ол еле сөйлеп турғанда, руўханий Абиятардың улы Йонатан келип қалды. Адония оған:
– Ишке кир, сен өзиң садық адамсаң, алып келген хабарың да жақсы болса керек, – деди.
43Йонатан оған былай деп жуўап берди:
– Яқ, бул рет басқаша. Мырзамыз Даўыт патша Сулайманды патша етип қойды. 44Патша руўханий Садоқты, пайғамбар Натанды, Еҳояда улы Бенаяны ҳәм керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшыларды Сулайманға қосып жиберди. Олар Сулайманды патшаның ғашырына миндирди. 45Гихонда Сулайман руўханий Садоқ ҳәм пайғамбар Натан тәрепинен майланып, патша етип қойылды. Олар сол жерден қуўаныш пенен қайтып келди ҳәм қала жанланып кетти. Еситип турғаныңыз олардың даўыслары. 46Сулайман ҳәзир патшалық тахтында отырыпты. 47Буннан тысқары, патшамыз Даўытты қутлықлаўға келген хызметшилери: «Қудайыңыз Сулайманның атын сизиң атыңыздан атақлырақ, ал оның патшалығын сизиң патшалығыңыздан да уллырақ қылсын!», – дегенде, патша төсегинде жатып, тәжим етип: 48«Бүгин көзимниң тирисинде урпағымнан бирин тахтыма отырғызғаны ушын Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын!» – деди.
49Сонда Адонияның қонақларының ҳәммесин қорқыў басып, орынларынан турды да, ҳәр бири өз жолына түсти. 50Адония болса, Сулайманнан қорққанынан орнынан турды да, қурбанлық орынға барып, оның шақларына жабысты[2]. 51Буны Сулайманға хабарлап:
– Адония сизден қорқып, қурбанлық орынның шақларына жабысып алған. Ол: «Дәслеп патша Сулайман қулы болған мени қылыш пенен өлтирмейтуғынын айтып ант ишсин», – деп атыр, – деди.
52Сулайман оларға:
– Егер ол маған садық адам болса, оның шашының бир талына да зыян тиймейди. Ал егер ишинде қандай да бир жаманлық бар болса, онда ол өлтириледи, – деп жуўап берди. 53Соңынан патша Сулайман жиберген адамлар Адонияны қурбанлық орыннан алып келди. Адония келип, патша Сулайманға тәжим етти. Сулайман оған: «Үйиңе бар», – деди.

 

2

 

Даўыттың Сулайманға берген ўәсиятлары

 

1Даўыттың өлими жақынласқанда, ол улы Сулайманға мына ўәсиятларды берди: 2«Басқалар сыяқлы мен де жақын арада бул дүньяны тәрк етемен. Сен күшли ҳәм мәрт бол. 3Ислеген ҳәр бир исиңде ҳәм барған ҳәр бир жериңде табысқа ерисиўиң ушын, Қудайың болған Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап, Оның жолларынан жүр ҳәм Муўсаның Нызамында жазылғанындай, Қудайдың қағыйдаларына, буйрықларына, нызамларына ҳәм қарарларына бойсын. 4Сонда Жаратқан Ийе маған берген мына сөзин орынлайды: „Егер урпақларың өз жолларынан адаспай, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Маған садық болып жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“.
5Буннан тысқары сен Серуя улы Йоабтың маған нелер ислегенин билесең. Ол Израилдың еки сәркәрдасы Нер улы Абнер менен Етер[3] улы Амасаны өлтирип, тынышлық ўақтында урыстағыдай қан төкти ҳәм белиндеги белбеўи менен аяғындағы сандалларын қанға былғады. 6Сен ақылыңа салып, ис тут. Бирақ оның ағарған басының өлилер мәканына тынышлық пенен кириўине жол қойма. 7Гиладлы Барзиллайдың улларына жақсылық исле. Оларға дастурханыңнан аўқатланатуғынлар арасынан орын бер. Өйткени мен әжағаң Абшаломнан қашып жүргенимде, олар маған жәрдем берди. 8Бенямин урпағынан болған бахуримли Гераның улы Шимей де сениң жаныңда. Ол Маханайымға қарай қашып баратырғанымда, мени қатты ғарғаған еди. Бирақ соңынан ол мени күтип алыў ушын Иордан дәрьясының бойына келди. Сонда мен оған: „Сени қылыш пенен өлтирмеймен“, – деп Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен едим. 9Деген менен, сен оны жазасыз қалдырма. Сен ақыллы адамсаң, оған не ислеўди өзиң билесең. Оның ақ шашлы басын өлилер мәканына қаны менен жибер».

 

Даўыттың өлими

 

10Даўыт өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол өзиниң аты менен аталған қалаға жерленди. 11Даўыт Израилда қырқ жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди. 12Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың тахтына отырды ҳәм оның патшалығы жүдә беккем болды.

 

Адонияның өлими

 

13Хаггит улы Адония Сулайманның анасы Бат-Шебаның жанына барды. Бат-Шеба оннан:
– Аманлық па? – деп сорады.
Адония оған:
– Аманлық, – деп жуўап берди.
14Соңынан ол:
– Сизге бир нәрсе айтпақшы едим, – деди.
Бат-Шеба оған:
– Айта бер, – деди.
15Адония Бат-Шебаға былай деди:
– Өзиңиз билесиз, патшалық маған тийисли еди ҳәм пүткил Израил мениң патша болыўымды күтип жүрген еди. Бирақ жағдай өзгерип, патшалық инимниң қолына өтти. Себеби Жаратқан Ийениң ерки усы еди. 16Бирақ мениң сизден бир тилегим бар. Өтинемен, қарсылық билдирмең.
Бат-Шеба:
– Айт, – деди.
17Сонда Адония Бат-Шебаға:
– Өтинемен, патша Сулайман менен сөйлесиң. Ол сизге қарсылық билдирмейди. Маған шунемли Абишагты ҳаяллыққа берсин, – деди.
18Бат-Шеба оған:
– Яқшы, сен туўралы патша менен сөйлесип көрейин, – деп жуўап берди.
19Бат-Шеба Адонияның өтиниши туўралы сөйлесиў ушын патша Сулайманға кетти. Сулайман анасын күтип алыў ушын орнынан турып, анасына тәжим етти ҳәм соңынан тахтына отырды. Патша өзиниң оң тәрепине бир тахт қойдырып, оған анасын отырғызды. 20Анасы тахтқа отырғаннан соң, патшаға:
– Сеннен кишкене бир өтинишим бар еди, сөзимди жерде қалдырма, – деди.
Патша оған:
– Айта бер, анажан, сөзиңизди жерде қалдырмайман, – деди.
21Бат-Шеба патшаға:
– Шунемли Абишагты әжағаң Адонияға ҳаяллыққа берсең қәйтеди? – деди.
22Патша Сулайман анасына:
– Не ушын Адонияға тек шунемли Абишагты сорап турсыз? Ол ушын патшалықты да сорасаңыз болар еди. Ақыры ол меннен үлкен. Буның үстине, руўханий Абиятар менен Серуя улы Йоаб та ол тәрепте емес пе? – деди.
23Соңынан патша Сулайман Жаратқан Ийениң аты менен ант ишип былай деди: «Егер Адонияны бул гәпи ушын өлтиртпесем, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын! 24Мени күшке толтырып, әкем Даўыттың тахтына отырғызған ҳәм Израил патшаларының мениң урпағымнан келип шығатуғынын айтып, ўәде еткен тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Адония бүгин-ақ өлтириледи». 25Сөйтип, патша Сулайман Еҳояда улы Бенаяға Адонияны өлтириўди буйырды. Ол барып, Адонияны өлтирди.

 

Абиятардың сүргин етилиўи ҳәм Йоабтың өлими

 

26Патша руўханий Абиятарға: «Сен Анатоттағы өз жериңе бар. Негизинде, сен өлимге ылайықлысаң. Бирақ ҳәзир сени өлтирмеймен. Себеби сен әкем Даўыттың алдында Ийемиз Жаратқан Ийениң сандығын көтерип жүрдиң ҳәм әкем шеккен ҳәр бир азапты оның менен бирге бастан кеширдиң», – деди. 27Сулайман Абиятарды Жаратқан Ийениң руўханийлигинен шетлетти. Солай етип, Жаратқан Ийениң Шилода Элийдиң үй-ишине қарсы айтқан сөзи орынланды.
28Бул хабар Йоабқа да жетти. Йоаб Абшаломға қосылмаған болса да, Адонияны қоллап-қуўатлаған еди. Сонлықтан Йоаб Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның шақларына жабысты. 29Йоабтың Жаратқан Ийениң шатырына қашып барып, қурбанлық орынның жанында турғаны патша Сулайманға хабарланды. Сулайман Еҳояда улы Бенаяға барып, оны өлтириўди буйырды.
30Беная Жаратқан Ийениң шатырына барып, Йоабқа:
– Патша сыртқа шығыўыңды буйырады, – деди.
Бирақ Йоаб:
– Яқ, мен усы жерде өлмекшимен, – деп жуўап берди.
Сонда Беная барып, Йоабтың берген жуўабын патшаға жеткизди.
31Патша Бенаяға былай деди: «Оның айтқанындай исле. Оны өлтирип, жерле. Усылайынша, Йоабтың жазықсыз төккен қанларының қунын мениң ҳәм әкемниң урпақларының мойнынан алып тасла. 32Жаратқан Ийе оның төккен қаны ушын өзин жазаласын. Себеби ол әкем Даўытқа билдирместен, өзинен әдилирек ҳәм өзинен жақсырақ болған еки адамды: Израилдың сәркәрдасы Нер улы Абнерди ҳәм Яҳуданың сәркәрдасы Етер улы Амасаны қылыш пенен өлтирди. 33Солай етип, олардың қаны мәңгиге Йоабтың ҳәм оның урпақларының мойнында қалады. Ал Жаратқан Ийе Даўытқа, оның урпақларына, үй-ишине ҳәм тахтына мәңгиге тынышлық береди».
34Еҳояда улы Беная барып, Йоабты өлтирди ҳәм ол шөлдеги өз үйине жақын жерге жерленди. 35Патша Йоабтың орнына Еҳояда улы Бенаяны сәркәрда етип, ал Абиятардың орнына Садоқты руўханий етип тайынлады.

 

Шимейдиң өлими

 

36Буннан кейин патша адам жиберип, Шимейди шақыртты ҳәм оған былай деди:
– Ерусалимде бир үй қурып алып, сол жерде жаса. Ҳеш жаққа кетпе. 37Ол жерден шығып, Кидрон сайынан өткен күниң-ақ сөзсиз өлтирилетуғыныңды билип қой. Өз қаның ушын өзиң жуўапкер боласаң.
38Шимей патшаға:
– Тақсыр, қуллық. Сиз не десеңиз, қулыңыз болған мен соны орынлайман, – деди.
Солай етип, Шимей узақ ўақыт Ерусалимде жасады.
39Бирақ арадан үш жыл өткеннен соң, Шимейдиң еки қулы Гат патшасы Мааха улы Ахиштиң жанына қашып кетти. Шимейге қулларының Гатта екенлиги туўралы хабар келди. 40Сонда Шимей ешегин ертлеп, қулларын излеў ушын Гатқа, Ахиштиң жанына кетти. Ол қулларын қайтарып әкелди.
41Шимейдиң Ерусалимнен шығып, Гатқа барып қайтқаны туўралы Сулайманға хабар жетти. 42Сонда Сулайман Шимейди шақыртып, оған былай деди: «Саған Жаратқан Ийениң аты менен ант иштирген жоқ па едим? „Билип қой, қаладан шығып, қандай да бир жерге барған күниң-ақ сөзсиз өлтирилесең“, – деп ескертпеген бе едим? Сен де маған: „Қуллық, ыразыман“, – демеген бе едиң? 43Онда неге Жаратқан Ийениң алдында ишкен антыңа ҳәм мениң буйрығыма бойсынбадың?» 44Патша сөзин даўам етип, Шимейге және былай деди: «Сен әкем Даўытқа ислеген барлық жаманлықларыңды жақсы билесең. Бул ислеген жаманлықларыңды Жаратқан Ийе өзиңе қайтарады. 45Бирақ Жаратқан Ийе мени жарылқасын ҳәм Даўыттың тахты Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге тербелмесин».
46Патша Еҳояда улы Бенаяға буйрық берди. Ол Шимейди алып шығып, өлтирди.
Солай етип, Сулайманның патшалығы беккемленди.

 

3

 

Сулайманның Қудайдан даналық сораўы

 

1Сулайман Мысыр фараонының қызларының бирине үйленип, фараон менен байланыс дүзди. Ол ҳаялын Даўыттың қаласына алып келди. Сулайман өз сарайын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм Ерусалимниң әтирапындағы дийўалларды тиклегенше, ҳаялы сол жерде жасады. 2Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар беретуғын еди. Себеби сол ўақытқа шекем Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурылмаған еди. 3Сулайман әкеси Даўыттың көрсетпелери менен жүрип, Жаратқан Ийени сүйетуғын еди. Деген менен, ол да сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4Патша қурбанлық бериў ушын Гибон қаласына кетти, себеби сыйыныў орнының ең баслысы сол жерде еди. Сулайман сол қурбанлық орында мың бас малды жандырылатуғын қурбанлыққа берди. 5Гибонда болғанда, Сулайман түнде түс көрди. Түсинде Жаратқан Ийе оған көринип:
– Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди.
6Сулайман Оған былай деди:
– Сен қулың болған әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң. Себеби ол ҳақ ҳәм Саған садық болып, Сениң алдыңда шын жүректен туўры ислерди ислеп жүрди. Сен бүгин оған тахтына отыратуғын бир ул инәм етип, оған үлкен жақсылық ислеўди даўам еттиң. 7О Қудайым, Жаратқан Ийе, Сен Өз қулыңды әкем Даўыттың орнына патша еттиң. Бирақ мен еле жүдә жаспан, басқарыўға еле тәжирийбем жоқ. 8Қулың Өзиң таңлаған халықтың, көплигинен санап шығыў мүмкин болмаған уллы халықтың ортасында тур. 9Сонлықтан жаман менен жақсыны айырып билип, халқыңа бийлик етиўим ушын, маған ақылға толы бир жүрек бер. Болмаса, Сениң бул уллы халқыңды ким басқара алады?
10Сулайманның бул тилегине Жаратқан Ийениң кеўли толды. 11Қудай Сулайманға былай деди:
– Сен өзиң ушын узақ өмир, байлық ҳәм душпанларыңның өлимин тилемедиң, ал дурыс ҳүким жүргизиў ушын даналық сорадың. 12Мен сениң тилегиңди орынлайман. Саған даналыққа ҳәм ақылға толы жүрек беремен. Саған уқсағаны сеннен бурын болмаған ҳәм сеннен кейин де болмайды. 13Саған сорамағанларыңды да: байлық ҳәм даңқты да беремен. Өмириң бойы патшалар арасында саған тең келетуғыны болмайды. 14Егер сен де әкең Даўыт сыяқлы қағыйдаларыма ҳәм буйрықларыма бойсынып, Мениң жолларым менен жүрсең, саған узақ өмир де беремен.
15Сулайман оянғанда, буның түси екенин аңлады. Соңынан Ерусалимге келди. Ол Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында турып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол пүткил хызметшилери ушын үлкен зыяпат берди.

 

Сулайманның дана ҳүкими

 

16Бир күни еки бузық ҳаял патшаның алдына келди. 17Ҳаяллардың бири патшаға былай деди: «Тақсыр! Мен мына ҳаял менен бир үйде жасайман. Бизлер бирге қалған ўақытта, мен босандым. 18Мен босанғаннан кейин, үшинши күни мына ҳаял да босанды. Бизлер бирге едик, үйде екеўимизден басқа ҳеш ким жоқ еди. 19Түнде мына ҳаял баласын астына басып алып, бала өлип қалды. 20Қулыңыз болған мен уйықлап атырғанымда, түн ортасында ол орнынан турып, мениң баламды жанымнан алып, өзиниң қойнына жатқарыпты. Ал өзиниң өлип қалған баласын болса, мениң қойныма салыпты. 21Таңда баламды емизиў ушын турғанымда, ол жансыз жатырған екен. Бирақ азанда дыққат пенен қарағанымда, оның мениң балам емес екенин билдим».
22Екинши ҳаял: «Яқ, тири бала меники, өлгени сеники», – деди.
Биринши ҳаял: «Яқ, өлген бала сеники, ал тириси меники», – деди.
Олар патшаның алдында усылай тартысып турды.
23Сонда патша: «Биреўиңиз: „Тири бала меники, ал өлгени сеники“, – дейсиз. Екиншиңиз: „Өлген бала сеники, ал тириси меники“, – дейсиз. 24Онда маған бир қылыш әкелиңлер», – деди. Қылыш алып келингенде, 25патша: «Тири баланы екиге бөлип, ярымын биреўине, қалған ярымын екиншисине бериңлер», – деп буйырды.
26Сонда баласына жаны ашып, жүреги сызлаған тири баланың анасы патшаға: «Тақсыр, өтинемен, тири баланы өлтирмең, оны мына ҳаялға бериң», –деди.
Ал екинши ҳаял болса: «Бала саған да, маған да жоқ, оны екиге бөлиң», – деди.
27Сонда патша жуўап берип: «Тоқтаңлар, баланы өлтирмеңлер! Оны биринши ҳаялға бериңлер. Баланың анасы – сол болады», – деди.
28Пүткил израиллылар патша шығарған бул ҳүкимди еситип, патшаны ҳүрмет ететуғын болды. Себеби олар Сулайманда әдил ҳүким шығарыў ушын, Қудайдан берилген даналық бар екенин билди.

 

4

 

Сулайманның қол астындағы ҳәмелдарлары

 

1Сулайман пүткил Израилдың патшасы еди. 2Оның қол астындағы ҳәмелдарлары мыналар еди:
Садоқ улы Азария – руўханий;
3Шишаның уллары Элихореф пенен Ахия – хаткерлер;
Ахилуд улы Еҳошафат – жылнамашы;
4Еҳояда улы Беная – сәркәрда;
Садоқ ҳәм Абиятар – руўханийлер;
5Натан улы Азария – үлке ҳәкимлериниң баслығы;
Натан улы Забуд – руўханий ҳәм патшаның мәсләҳәтшиси;
6Ахишар – сарай басқарыўшысы;
Абда улы Адонирам – мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер.
7Сулайманның пүткил Израил үлкелерин басқаратуғын он еки ҳәкими бар еди. Олар патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеп туратуғын болып, олардың ҳәр бири жылына бир ай патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеўи шәрт еди. 8Олардың атлары мыналар:
Эфрайымның таўлы үлкесиниң ҳәкими Бен-Хур;
9Мақас, Шаалбим, Бейт-Шемеш, Элон-Бейт-Ханан қалаларының ҳәкими Бен-Декер;
10Сохо ҳәм пүткил Хефер жерлерин өз ишине алған Аруббот үлкесиниң ҳәкими Бен-Хесед;
11Пүткил Нафат-Дор үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Тафаттың күйеўи Бен-Абинадаб;
12Таанах, Мегиддо, Изреелдиң қубласындағы Саретанның жанындағы пүткил Бейт-Шеан ҳәм Бейт-Шеаннан Абел-Мехола менен Йоқмеамның арғы жағына дейин созылып жатырған үлкелердиң ҳәкими Ахилуд улы Баана;
13Гиладтағы Менашше урпағынан болған Яирге тийисли қалаларды ҳәм Башандағы Аргоб дөгерегиндеги дийўаллар менен қоршалып, дәрўазасына қола тәмби басылған үлкен алпыс қаланы өз ишине алған Гилад жериндеги Рамот қаласының ҳәкими Бен-Гебер;
14Маханайым үлкесиниң ҳәкими Иддо улы Ахинадаб;
15Нафталий үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Басематтың күйеўи Ахимаас;
16Ашер ҳәм Беалот үлкелериниң ҳәкими Хушай улы Баана;
17Иссахар үлкесиниң ҳәкими Паруах улы Еҳошафат;
18Бенямин үлкесиниң ҳәкими Эла улы Шимей;
19Гилад жериниң, яғный аморлардың патшасы Сихон ҳәм Башан патшасы Огтың ески жерлериниң ҳәкими Урий улы Гебер. Ол сол үлкениң жалғыз ҳәкими еди.

 

Сулайманның бир күнлик керек-жарағы

 

20Яҳуда ҳәм Израил халқы теңиздиң қумындай көп болып, олар жеп-ишип шадлық ишинде жасады. 21Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегараларына шекемги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар Сулайманның өмири даўамында оған салық төлеп, хызмет етти. 22Сулайманның сарайының бир күнлик азық-аўқаты отыз кор[4] сыпатлы бийдай уны, алпыс кор[5] ири тартылған бийдай уны, 23семиртилген он буға, жайлаўдан алынған жигирма буға, жүз қой, және де, суўынлар, жейранлар, антилопалар ҳәм семиз қуслардан ибарат еди. 24Сулайман Тифсахтан Газаға шекемги, Евфрат дәрьясының батысындағы пүткил патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Ол әтираптағы барлық еллер менен тынышлықта жасады. 25Сулайманның дәўиринде Даннан Беер-Шебаға шекемги Яҳуда ҳәм Израил халқының ҳәр бири өзлериниң әнжир ҳәм жүзим ағашлары астында тыныш өмир сүрди. 26Сулайманның саўаш арбалары ушын қырқ мың ат қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди.
27Сол он еки ҳәкимниң ҳәр бири өзи ушын белгиленген бир ай даўамында патша Сулайманды ҳәм оның дастурханынан аўқат жейтуғынлардың ҳәммесин азық-аўқат пенен тәмийинлейтуғын еди. Олар бирде бир кемшиликке жол қоймайтуғын еди. 28Ҳәр бир ҳәким белгиленген жерге саўаш арбаларының атлары ҳәм шапқыр атлар ушын арпа менен сабан жеткизип туратуғын еди.

 

Сулайманның даналығы

 

29Қудай Сулайманға мол даналық, ақыл ҳәм теңиз жағасындағы қум сыяқлы шексиз терең түсиниўшилик берди. 30Сулайманның даналығы пүткил шығыс халықларының даналығынан ҳәм Мысырдың пүткил даналығынан да үстин еди. 31Ол барлық адамлардан өткен дана болып, эзрахлы Этаннан, Махолдың уллары Ҳеман, Калкол ҳәм Дардадан да дана еди. Оның даңқы әтираптағы пүткил халықларға жайылды. 32Ол үш мың нақыл-мақал айтты ҳәм оның бир мың бес қосығы бар еди. 33Сулайман Лебанон таўларындағы кедр ағашынан баслап, дийўалда өсип туратуғын майоран шөбине шекем сөз етти. Ол ҳайўанатлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм балықлар туўралы да айтты. 34Ҳәмме халықлардан адамлар келип, Сулайманның дана сөзлерин тыңлайтуғын еди. Олар Сулайманның даналығы туўралы еситкен дүньяның пүткил патшаларынан жиберилген еди.

 

5

 

Ибадатхана қурылысына таярлық

 

1Тир патшасы Хирам Сулайманның майланып, әкеси Даўыттың орнына патша етип қойылғанын еситкенде, Сулайманды қутлықлаў ушын елшилерин жиберди. Себеби Хирам өмир бойы Даўытқа дос болып келген еди. 2Сулайман да Хирамға өз елшилерин жиберип, былай деди: 3«Өзиңиз билесиз, әкем Даўыт әтирапындағы душпанлары менен саўаш жүргизгенликтен, Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қура алмады. Жаратқан Ийе саўашларда душпанларын оның аяғының астына таслағанға шекем, ол бул исти қыла алмады. 4Енди Қудайым Жаратқан Ийе маған ҳәр тәреплеме тынышлық берди. Ҳәзир бирде бир душпаным да, дөнип турған қәўип те жоқ. 5Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мен сениң тахтыңа отырғызатуғын улың Мениң атыма арнап Ибадатхана қурады“, – деген еди. Сонлықтан мен Қудайым болған Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыўды нийет еттим. 6Енди мен ушын Лебанон таўларынан кедр ағашларын кесиў ушын адамларыңызға буйрық берсеңиз. Мениң адамларым да сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди ҳәм мен сизиң адамларыңызға өзиңиз белгилеген мийнет ҳақыны төлеймен. Бизлерде ағаш кесиўде сидонлылар сыяқлы тәжирийбели адамлар жоқ екенин өзиңиз билесиз».
7Хирам Сулайманның бул сөзлерин еситкенде, қатты қуўанып: «Бүгин бул уллы бир халықты басқарыў ушын Даўытқа дана бир ул бергени ушын, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын!» – деди. 8Соңынан ол Сулайманға мына хабарды жиберди: «Маған жиберген хабарыңызды алдым. Кедр ҳәм сәрўи ағашларына байланыслы барлық тилеклериңизди орынлайман. 9Адамларым оларды Лебанон таўларынан теңизге алып келеди. Мен оларды сал етип буўдырып, теңиз арқалы айтқан жериңизге жеткизип беремен. Адамларым сол жерде салларды шешип, жыйып береди, сизлер алып кетесизлер. Сиз де тилегимди орынлап, мениң үй-ишимди азық-аўқат пенен тәмийинлесеңиз».
10Хирам Сулайманға керегинше кедр ҳәм сәрўи ағашларын берди. 11Сулайман болса, Хирамның үй-ишиниң азық-аўқаты ушын ҳәр жылы жигирма мың кор[6] бийдай, жигирма кор[7] сапалы зәйтүн майын берип турды. 12Жаратқан Ийе ўәде еткениндей, Сулайманға даналық берди. Сонлықтан Сулайман менен Хирам арасында татыўлық болып, олар өз-ара келисим дүзди.
13Патша Сулайман қара жумыс ислетиў ушын пүткил Израилдан отыз мың адамды мәрдикарға алды. 14Гезек пенен ҳәр айда олардан он мыңын Лебанон таўларына жиберди. Олар бир ай Лебанон таўларында, еки ай үйлеринде болатуғын еди. Бул адамларға Адонирам басшылық етти. 15Және де, Сулайманның жүк тасыйтуғын жетпис мың адамы ҳәм таўларда тас кесетуғын сексен мың адамы бар еди. 16Булардан тысқары, Сулайман истиң барысын бақлап, жумысшыларды қадағалап туратуғын үш мың үш жүз қадағалаўшы тайынлады. 17Патшаның буйрығы бойынша, жумысшылар Ибадатхананың тийкарын жонылған таслардан қалаў ушын үлкен ҳәм сапалы тасларды кесип шығарды. 18Сулайманның ҳәм Хирамның адамлары гебаллылар менен бирге Ибадатхананың қурылысы ушын ағашлар менен тасларды жонып таярлады.

 

6

 

Ибадатхананың қурылыўы

 

1Израил халқының Мысырдан шыққанына төрт жүз сексен жыл болғанда, Сулайманның Израил тахтына отырғанына төрт жыл болған еди. Ол сол жылдың екинши айында, яғный Зиў айында[8] Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қурылысын баслады.
2Патша Сулайманның Жаратқан Ийеге арнап қурған Ибадатханасының узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ, ал бийиклиги отыз шығанақ еди. 3Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, ал ени он шығанақ болды. 4Сулайман Ибадатханаға сыртқа қараған жағы тарлаў, ишке қараған жағы кеңлеў болған айналар ислетти. 5Ибадатхананың сыртын, яғный үлкен бөлмениң ҳәм Ең мухаддес бөлмениң дийўалларын айландырып, үш қабатлы қосымша бөлмелер ислетти. 6Ең төменги қабаттың ени бес шығанақ, ортанғы қабаттың ени алты шығанақ, үшинши қабаттың ени жети шығанақ еди. Ибадатхананың дийўалларына ислеў бермеў ушын, бөлмелер текшеге уқсатып өрилген Ибадатхананың дийўалларына бөренелер арқалы бириктирилди.
7Ибадатхананың қурылысы ушын пайдаланылатуғын таслар кәнниң өзинде жонып таярланды. Сонлықтан Ибадатхана қурылып атырғанда, шөккиштиң де, балтаның да, басқа темир әсбабының да сести еситилмеди. 8Ортадағы қосымша бөлмениң есиги Ибадатхананың қубла тәрепинде еди. Айланба текше арқалы ортанғы қабатқа, оннан үшинши қабатқа өтетуғын еди. 9Сулайман Ибадатхананы қурып тамамлады. Төбесин кедр бөренелер ҳәм кедр ағашынан исленген тахталар менен бастырды. 10Және де, ол пүткил Ибадатхананы айландырып, ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ болған қосымша бөлмелер салдырды. Олар Ибадатхана дийўалына кедр бөренелер менен бекитилди.
11Жаратқан Ийеден Сулайманға мынадай сөз түсти: 12«Мине, сен Ибадатхана қурып атырсаң. Егер сен Мениң қағыйдаларымды, нызам ҳәм буйрықларымды орынлап жүрсең, онда Мен әкең Даўытқа берген сөзимди сен арқалы орынлайман. 13Мен израиллылар арасында жасап, халқым Израилды ҳеш қашан тәрк етпеймен».
14Солай етип, Сулайман Ибадатхананы қурып питкерди. 15Ол Ибадатхананың ишки дийўалын еденнен төбеге шекем кедр ағашынан исленген тахталар менен қаплады, ал еденине сәрўи ағашынан исленген тахталар төсетти. 16Ибадатхананың арқа тәрепиниң ең төрин еденнен төбесине дейин кедр тахталар менен бөлдирип, узынлығы жигирма шығанақ болған бир бөлме ажыраттырды. Ол жер Ең мухаддес бөлме деп аталды. 17Ең мухаддес бөлмениң алдындағы үлкен бөлмениң узынлығы қырқ шығанақ еди. 18Дийўалдағы таслар көринбеўи ушын Ибадатхананың ишин қаплап турған кедр тахталарға асқабақлар ҳәм асылып турған гүллер ойып салынды.
19Ибадатхананың ишиндеги ең төрги бөлме Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қойыў ушын таярланды. 20Бул бөлмениң узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ ҳәм бийиклиги де жигирма шығанақ еди. Сулайман усы бөлмени де, кедр ағашынан исленген қурбанлық орынды да сап алтын менен қаплатты. 21Сулайман Ибадатхананың ишин де сап алтын менен қаплатып, алтын менен қапланған төрги бөлмениң алдына алтын менен қапланған шынжырлар тарттырды. 22Ибадатхананың иши бастан-аяқ ҳәм Ең мухаддес бөлмедеги қурбанлық орын алтын менен қапланды. 23Ең мухаддес бөлмеге қойыў ушын зәйтүн ағашынан исленген, ҳәр бириниң бийиклиги он шығанақ болған еки керуб[9] исленди. 24Ҳәр қанаты бес шығанақ болған керубтың жайылған еки қанатының узынлығы он шығанақ болды. 25Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди. 26Еки керубтың да бийиклиги он шығанақ еди. 27Сулайман керубларды Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ортасына қойды. Керублардың жайылған қанатларының бир ушы бөлмениң дийўалларына тийип, екинши ушлары бөлмениң ортасында бир-бирине тийисип турды. 28Сулайман керубларды да алтын менен қаплатты.
29Ибадатхананың ишки ҳәм сыртқы бөлмелериниң ҳәмме дийўалларына айландырып керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырды. 30Усы еки бөлмениң еденлерин де алтын менен қаплатты.
31Ең мухаддес бөлмениң кирер аўзына зәйтүн ағашынан жақлаўы бес қырлы болған жарма қапы ислетти. 32Ол зәйтүн ағашынан исленген жарма қапыларға керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринисин ойып салдырып, қапыларды алтын менен қаплатты. Керублар менен пальма ағашларының сүўретлерин де алтын менен қаплатты. 33Үлкен бөлмениң кирер аўзына да зәйтүн ағашынан төрт мүйешли жақлаў ислетип, 34жақлаўға жыйналатуғын еки жарма қапыны сәрўи ағашынан ислетти. 35Буларға да керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырып, оларды алтын менен қаплатты.
36Ол ишки ҳәўли қурдырып, оның дийўалларын үш қатар жонылған тастан ҳәм бир қатар кедр ағашынан ислетти.
37Сулайман өз патшалығының төртинши жылының Зиў айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын қойған еди. 38Ал он биринши жылдың сегизинши айы болған Бул айында Ибадатхана алдын ала белгиленгениндей етип, барлық майда-шүйдесине шекем қурып болынды. Сулайман Ибадатхананы жети жылда қурып болды.

 

7

 

Сулайманның сарайы

 

1Сулайман өзи ушын да сарай қурдырып, оны он үш жылда толық тамамлады. 2Ол қурдырған Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайдың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ еди. Сарай төрт қатар етип қойылған кедр өрелерден ҳәм олардың үстине қойылған кедр бөренелерден ибарат еди. 3Өрелердиң үстине, ҳәр қатарға он бес бөренеден қойылған болып, усы қырқ бес бөренениң үстине кедр тахталар төселген еди. 4Имараттың еки тәрепиндеги айналары үш қатардан ибарат болып, олар бир-бирине қарап турған еди. 5Барлық қапылар ҳәм олардың жақлаўлары төрт мүйешли еди. Айналар болса, үш қатар етип, бир-бирине қарама-қарсы қурылған еди.
6Сулайман узынлығы елиў шығанақ, ени отыз шығанақ болған өрели бир айўан ислетти. Айўанның алдында өрелер қойылып, үсти бастырылған шертек бар еди. 7Және де, тахт туратуғын, яғный ол жерде өзи отырып қазылық ететуғын Ҳүким шығарыў айўанын қурдырды. Оны еденинен төбесине шекем кедр тахталар менен қаплатты. 8Усы айўанның арқа тәрепиндеги Сулайман жасайтуғын сарай да усы тақылетте салынған еди. Сулайман ҳаялы, фараонның қызы ушын да анық усындай бир сарай қурып берди.
9Бул имаратлардың ҳәммеси иши ҳәм сырты тийкарынан төбесине дейин ҳәм сыртынан үлкен ҳәўлиге дейин жарғылар менен кесилип, еки тәрепи де жонылған ҳәм белгиленген өлшем бойынша таярланған сапалы таслардан салынған еди. 10Тийкары он шығанақ ҳәм сегиз шығанақ келетуғын үлкен, сапалы таслардан қаланды. 11Дийўалы да өлшем бойынша кесилген сапалы таслардан өрилип, дийўал ушын кедр ағашы да пайдаланылды. 12Үлкен ҳәўлиниң айналасы жонылған тастан үш қатар ҳәм кедр бөренеден бир қатар етип, айландырып өрилген еди. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишки ҳәўлисиниң ҳәм айўанының дийўаллары да усылай исленген еди.

 

Хирамның хызмети

 

13Патша Сулайман хабар жиберип, Тирдан Хирамды алдырды. 14Оның анасы Нафталий урыўынан болған бир жесир ҳаял, ал әкеси тирли мыскер еди. Хирам қоладан зат ислеў уқыбын, шеберлигин ҳәм қәбилетин ийелеген уста еди. Ол патша Сулайманға келип, оның барлық ислерин орынлады.
15Хирам қоладан еки өре иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги он сегиз шығанақ, ал ҳәр бириниң айнала өлшеми он еки шығанақ келетуғын еди. 16Және де, өрелердиң үстине қойыў ушын, қоладан еки төбелик қуйып иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди. 17Өрениң төбелигиниң ҳәр бири торға уқсатып өрилген шынжырлар менен безелди. 18Ол өрелердиң жоқарысындағы төбеликлерди жаўып турыў ушын, ҳәр бир торды еки қатар етип айландырып, қола анарлар менен безеди. 19Айўандағы өрелердиң төбеликлери лала гүллерге уқсатып исленип, олардың ҳәр бириниң бийиклиги төрт шығанақ еди. 20Ҳәр бир өрениң төбесиндеги тордың жанындағы кесеге уқсаған бөлегиниң үстине айландырып, еки жүзден анар салынған еди. 21Хирам бул өрелерди Ибадатхананың айўанына орнатып, оның қубладағысын Яхин[10], арқадағысын Боаз[11] деп атады. 22Өрелердиң төбеликлери лала гүл тақылетте еди. Солай етип, өрелерге байланыслы ислер тамам болды.
23Хирам қоладан қуйма ҳаўыз жасады. Ол домалақ болып, оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, тереңлиги бес шығанақ, айнала узынлығы отыз шығанақ еди. 24Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип асқабаққа уқсаған нағыслар қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди. 25Ҳаўыз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди. 26Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Ҳаўызға еки мың бат[12] суў сыятуғын еди.
27Хирам қоладан он түбелдирик иследи. Ҳәр бир түбелдириктиң узынлығы төрт шығанақ, ени төрт шығанақ, бийиклиги үш шығанақ еди. 28Түбелдириклердиң дүзилиси мынадай еди: түбелдириклер жақлаўларға бекитилген төрт мүйешли қола тахталардан исленди. 29Тахталарға, сондай-ақ жақлаўларға да арыслан, буға ҳәм керублардың сүўретлери салынды. Ал арыслан ҳәм буғалардың сүўретлериниң асты менен үстине аспа гүлшеңберлери ойып исленди. 30Ҳәр бир түбелдириктиң қоладан исленген төрт дөңгелеги ҳәм оғы бар еди. Түбелдириктиң төрт тәрепине ләгенди услап турыў ушын қуйма тирепбердилер исленип, олардың ҳәр бир тәрепи гүлшеңберлер менен безетилген еди. 31Түбелдириктиң үсти бетинде ләген қойыў ушын арналған дөңгелек ойық бар болып, ләген түбелдириктен жоқары қарай бир шығанақ шығып турған еди. Оның түбине дейинги тереңлиги бир ярым шығанақ еди. Ойықтың айнала дөгерегинде ойма нағыслар бар еди. Бирақ түбелдириклердиң тахталары дөңгелек емес, төрт мүйешли еди. 32Түбелдириктиң тахталарының асты бетинде төрт дөңгелек бар болып, оның оғы түбелдирикке қатырылған еди. Ҳәр бир дөңгелектиң бийиклиги бир ярым шығанақ еди. 33Дөңгелеклер саўаш арбаларының дөңгелеклерине уқсайтуғын еди. Оның ҳәмме нәрсеси: оқлары, тоғыны, кегейи ҳәм гүпшеги қуйма еди. 34Ҳәр бир түбелдириктиң төрт мүйешинде түбелдирикке қатырылған төрт тирепберди бар еди. 35Түбелдириктиң үстинде ярым шығанақ бийикликте бир жумалақ ҳалқа бар еди. Түбелдириктиң тирепбердилери менен тахталары түбелдирикке бириктирип исленген еди. 36Хирам тирепбердилер менен тахталарға сыйғанынша, керублардың, арысланлардың, пальма ағашларының сүўретлерин, ал айналасына гүлшеңберлерди ойып салды. 37Усылайынша, ол он түбелдирик иследи. Олардың ҳәммесиниң қуйылыўы да, өлшеми де, көриниси де бирдей болды. 38Хирам он түбелдириктиң үстине қойыў ушын қоладан он ләген иследи. Ҳәр бир ләгенниң ени төрт шығанақ болып, оның ҳәр бирине қырқ бат[13] суў кететуғын еди. 39Түбелдириктиң бесеўин Ибадатхананың қубла тәрепине, бесеўин арқа тәрепине қойды. Ал ҳаўызды болса, Ибадатхананың оң тәрепине, яғный қубла-шығысына қойды. 40Буннан соң, Хирам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты.
Солай етип, Хирам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:

 

 

41еки өре,
өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик,
өрелердиң төбелерин орап турған еки торлы әшекөй,
42өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
43он түбелдирик ҳәм түбелдирик үстине он ләген,
44ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға,
45күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар.

 

Хирамның патша Сулайманға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп берген ҳәмме нәрсеси жылтыратылған қоладан исленди. 46Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Саретан арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды. 47Буйымлар соншелли көп болғанлықтан, Сулайман олар ушын кеткен қоланың өлшемин анықламады.
48Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын төмендеги затларды:

 

 

қурбанлық орынды,
үстинде мухаддес нанлар туратуғын столды,
49Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда, оң тәрепте туратуғын бес ҳәсте менен шеп тәрепте туратуғын бес ҳәстени,
гүллерди, шыраларды ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышларды,
50қырмаларды, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды,
Ибадатхананың ең төрги бөлмесиниң, яғный Ең мухаддес бөлмениң ҳәм үлкен бөлмениң қапыларының топсаларын алтыннан ислетти.

 

51Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған ислерди тамамлағаннан соң, әкеси Даўыттың атаған гүмис, алтын ҳәм басқа затларын әкелип, Ибадатхананың қазнасына қойды.

 

8

 

Келисим сандығының Ибадатханаға алып келиниўи

 

1Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сийоннан алып келиў ушын Израил халқының барлық ақсақалларын, урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды. 2Ҳәмме жетинши ай болған Этаним айындағы байрам ўақтында[14] Сулайман патшаның алдына жыйналды. 3Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, руўханийлер Келисим сандығын жерден көтерип алды. 4Руўханийлер менен лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды. 5Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды. 6Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды. 7Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды. 8Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур. 9Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Булар Мысыр жеринен шыққанда Жаратқан Ийениң израиллылар менен дүзген келисими жазылған тас тахталар еди.
10Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шыққанда, бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды. 11Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырып турған еди. 12Сонда Сулайман былай деди: «О, Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң. 13Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».

 

Сулайманның халыққа айтқан сөзлери

 

14Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди. 15Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын! Ол былай деген еди: 16„Халқым Израилды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыў ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Ал халқым Израилды басқарыў ушын Даўытты таңладым“. 17Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди. 18Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет. 19Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди. 20Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым. 21Усы Ибадатхананың ишинде мен Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қоятуғын бир орын таярладым. Ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққанда, Жаратқан Ийениң олар менен дүзген келисими усы сандықтың ишинде тур».

 

Сулайманның дуўасы

 

22Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып былай деди:

 

23«О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең. 24Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың.
25О, Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң алдымда өз жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң. 26О, Израилдың Қудайы, енди Өз қулың, әкем Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
27Расында да, Қудай жер бетинде жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?! 28Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, бүгин оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал. 29Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит. 30Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
31Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислесе ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе, 32Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
33Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса, 34онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
35Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса, 36онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр.
37Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса, кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе, 38сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса, 39Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең. 40Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын.
41Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң атың себепли узақ елден келсе, 42Сениң уллы атың, күшли қолың ҳәм кәраматларың ҳаққында еситип, усы Ибадатханаға келип дуўа етсе, 43көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
44Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған, яғный Жаратқан Ийеге дуўа етсе, 45көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
46Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, өзиниң жақын ямаса узақ бир елине алып кетсе, 47олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса, 48олар өзлерин тутқын қылған душпан елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе, 49көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. 50Сениң көз алдыңда гүна ислеген халқыңды, олардың Саған қарсы ислеген барлық гүналарын кешире гөр. Оларды тутқын еткенлердиң оларға реҳимли болыўы ушын, оларды тутқын еткенлерге инсап бере гөр. 51Себеби олар Мысырдан, темир ошақ ишинен Өзиң алып шыққан Өз халқың ҳәм Өз мийрасың.
52Көзлериң мениң ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларында болсын. Саған жалбарынғанда бәрқулла оларды еситип, жуўап бере гөр. 53Себеби о, Ийем, Жаратқан Ийе! Сен ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққаныңда қулың Муўсаға айтқаныңдай, пүткил дүнья халықлары арасынан оларды Өзиңе мийрас етип ажыратып алдың».
54Сулайман Жаратқан Ийеге дуўа етиўин ҳәм жалбарыныўларын тамамлағаннан соң, Жаратқан Ийениң қурбанлық орны жанынан, қолларын көклерге жайыўы менен диз шөккен жерден турды. 55Ол тик турып, қатты даўыс пенен пүткил Израил жәмийетине былай деп пәтия берди:

 

56«Өз сөзинде турып, халқы Израилға тынышлық берген Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын! Оның қулы Муўса арқалы айтқан ийгиликли сөзлериниң ҳеш бири орынланбай қалмады. 57Қудайымыз Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен бирге болғаны сыяқлы, бизлер менен де бирге болсын, бизлерди тәрк етпесин ҳәм таслап кетпесин. 58Өзиниң жолларынан жүриўимиз, ата-бабаларымызға берген буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына бойсынып жасаўымыз ушын, бизлердиң жүреклеримизди Өзине қаратсын. 59Аўа, Жаратқан Ийе алдында жалбарынып айтқан бул сөзлерим күни-түни Қудайымыз Жаратқан Ийениң ядында болып, бул қулының ҳәм халқы Израилдың күнделикли мүтәжликлерин берип турсын. 60Солай етип, барлық халықлар Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билип қойсын. 61Бүгингидей, Оның қағыйдалары бойынша жасаў ҳәм буйрықларын орынлаў ушын, пүткил жүрегиңизди Қудайымыз Жаратқан Ийеге арнаңлар».

 

Ибадатхананың бағышланыўы

 

62Соңынан патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды. 63Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, татыўлық қурбанлығы ушын шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бағышлады. 64Усы күни патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орнына жағылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ҳәм татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
65Сонда Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерден келген пүткил Израил халқы Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында еки ҳәпте, улыўма он төрт күн байрамлады. 66Жети күнлик байрам тамам болғаннан кейин, сегизинши күни Сулайман халыққа рухсат берди. Олар да патшаға пәтия берип, Жаратқан Ийениң қулы Даўытқа ҳәм халқы Израилға ислеген жақсылықлары ушын кеўли толып, қуўаныш пенен үйлерине қайтты.

 

9

 

Жаратқан Ийениң Сулайманға және көриниўи

 

1Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин тамамлағаннан соң, 2Гибонда көрингени сыяқлы, Жаратқан Ийе оған және көринди. 3Ол Сулайманға былай деди:

 

«Мен сениң дуўаларыңды ҳәм жалбарыныўларыңды еситтим. Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, сен Маған арнап қурған мына Ибадатхананы мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
4Саған келсек, әкең Даўыт сыяқлы Мениң алдымда ҳадал жүрек ҳәм әдиллик пенен жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң, 5онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, Израил ели үстинен сениң патшалығыңды мәңгиге туратуғын қыламан.
6Бирақ егер сен ҳәм сениң урпақларың Меннен жүз бурып, сизлерге берген буйрық ҳәм қағыйдаларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, 7онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етемен. Сонда Израил пүткил халықлар арасында әпсанаға айланып, күлкиге қалады. 8Ал мына көркем Ибадатхана қарабақанаға айланады. Сонда оның жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады. 9Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».

 

Сулайманның питим дүзиўи

 

10Сулайман еки имаратты: Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди. 11Бул ислер ушын Тир патшасы Хирам Сулайманға керегинше кедр менен сәрўи ағашларын ҳәм алтын жеткерип берди. Сол себепли Сулайман Хирамға Галила үлкесиндеги жигирма қаланы берди. 12Бирақ Хирам Тирдан келип, Сулайманның өзине берген қалаларын көргенде, бул қалалар оған унамады. 13Сонда Хирам Сулайманға: «Туўысқаным, маған берген қалаларың қандай қалалар өзи?» – деди ҳәм бул жерди Кабул[15] деп атады. Олар ҳәзир де солай аталады. 14Хирам патшаға бир жүз жигирма талант алтын жиберген еди.
15Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, өзиниң сарайын, Миллоны, Ерусалимниң дийўалларын, Хасор, Мегиддо ҳәм Гезер қалаларын қурдырыў ушын мәрдикарға адам жыйнаған еди. 16Гезер қаласын Мысыр фараоны қолға алып, өртеп жиберген еди. Ал сол жерде жасап атырған кенаанлыларды болса, қырып таслап, қаланы Сулайманға ҳаяллыққа берген қызына еншиге берген еди. 17Сол себепли Сулайман Гезер қаласын қайта қурған еди. Ол және төменги Бейт-Хоронды, 18Баалатты ҳәм Яҳуда жериндеги шөлдеги Тамарды[16], 19өзине тийисли пүткил телеклери бар қалаларды, саўаш арбалары менен атлы әскерлери туратуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Буннан тысқары, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды.
20Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: амор, хетт, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди. 21Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алып, қул етти. Бул ҳәзир де даўам етпекте. 22Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды әскер, хызметкер, басшы, әскербасы, саўаш арбаларының ҳәм атлыларының басшысы етип қойды. 23Сулайман жүргизип атырған ислердиң басында жумыс ислеп атырған халықты басқарып турған бес жүз елиў қадағалаўшы басшы бар еди.
24Фараонның қызы Даўыттың қаласынан Сулайманның өзи ушын қурдырған сарайына көшип өткеннен соң, Сулайман Миллоны салдырды.
25Сулайман Жаратқан Ийе ушын арнап қурдырған қурбанлық орында жылына үш рет жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын беретуғын ҳәм соның менен бирге Жаратқан Ийениң алдында түтетки түтететуғын еди. Солай етип, ол Ибадатхананың қурылысын тамамлады.
26Патша Сулайман Эдом жеринде, Қамыс теңизи жағасында жайласқан Элат жанындағы Эсион-Геберде кемелер соқтырды. 27Хирам теңизди жақсы билетуғын кемешилерин Сулайманның адамлары менен бирге кемеде Офирге жиберди. 28Олар Офирге барып, патша Сулайманға төрт жүз жигирма талант алтын әкелип берди.

 

10

 

Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи

 

1Шеба ҳаял патшасы Жаратқан Ийениң аты себепли Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын келди. 2Ол хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап, бир қанша адамлары менен Ерусалимге келди ҳәм кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти. 3Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди. 4Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди. 5Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
6Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен. 7Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше сол сөзлерге инанбаған едим. Маған булардың ярымын да айтпаған екен. Сизиң даналығыңыз ҳәм байлығыңыз еситкенимнен де артық екен. 8Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады. 9Сизге кеўли толып, сизди Израил тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар болсын! Жаратқан Ийе мәңгиге Израилды сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
10Шеба ҳаял патшасы патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде көп хош ийисли затлар буннан кейин ҳеш қашан алып келинген емес.
11Хирамның Офирден алтын алып келген кемелери де сол жерден жүдә көп муғдарда сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди. 12Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын тирепбердилер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин ондай дәрежеде көп сапалы арша ағашы әкелинбеген де, буны ҳеш ким көрмеген де еди.
13Сулайман Шеба ҳаял патшасына кеўлинен шыққан бир қанша саўғаларын берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Буннан кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.

 

Сулайман патшаның байлығы

 

14Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди. 15Усақлап сатыўшылардан, саўдагерлердиң саўдасынан ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлеринен келип түсетуғын алтынлар буған кирмейтуғын еди.
16Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел[17] алтын жумсалды. 17Және алтыннан ҳәр бири үш мина[18] келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
18Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты. 19Тахттың алты басқалдағы бар еди. Тахттың сүйенгишиниң бас бети домалақ болып, отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини тур еди. 20Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди. 21Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген болып, ҳеш гүмис қолланылмаған еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди. 22Теңизде Хирамның кемелериниң жанында Сулайманның да Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир рет алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
23Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды. 24Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, пүткил дүнья оны көриўге қуштар еди. 25Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
26Сулайман саўаш арбалары менен атлар жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы, он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 27Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын әнжир ағашына тең болып қалды. 28Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм Қуўеден алып келинетуғын еди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди. 29Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ал ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар Сулайманның саўдагерлери арқалы пүткил Хетт ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.

 

11

 

Сулайманның Қудайдан узақласыўы

 

1Сулайман фараонның қызынан басқа моаб, аммон, эдом, хетт халықларынан ҳәм сидонлылардан болған шет елли ҳаялларды сүйди. 2Жаратқан Ийе Израил халқына усы халықлар туўралы: «Сизлердиң жүрегиңизди өзлериниң қудайларына аўдырмаўы ушын, олардан қыз алып, қыз бериспеўиңиз керек», – деген еди. Деген менен, Сулайман бул ҳаялларға сүйиспеншилик пенен байланды. 3Сулайманның патша қызларынан болған жети жүз ҳаялы ҳәм үш жүз тоқалы бар еди. Ҳаяллары Сулайманды жолдан шығарды. 4Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған әкеси Даўытқа уқсамады. 5Ол сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға[19] ере баслады. 6Солай етип, Сулайман Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм өзин Жаратқан Ийеге толық бағышламады. 7Сулайман Ерусалимниң шығысындағы бир төбеге моаб халқының жеркенишли қудайы Кемошқа ҳәм аммон халқының жеркенишли қудайы Молохқа арнап сыйыныў орнын қурды. 8Ол өз қудайларына арнап түтетки түтетип, қурбанлықлар беретуғын шет елли ҳаялларының ҳәммеси ушын усылай иследи.
9Жаратқан Ийениң Сулайманға ғәзеби келди. Себеби ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурған еди.
Бурын Жаратқан Ийе Сулайманға еки рет көринип: 10«Басқа қудайлардың изине ерме», – деп буйырған еди. Бирақ Сулайман Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбады. 11Сонда Жаратқан Ийе Сулайманға былай деди: «Усылай етип, сен Мениң өзиң менен дүзген келисимиме ҳәм Мен буйырған қағыйдаларыма бойсынбағаның ушын, патшалықты сеннен тартып алып, қулларыңның бирине беремен. 12Бирақ әкең Даўыттың ҳүрмети ушын, Мен буны сениң дәўириңде ислемеймен. Ал улыңның қолынан патшалықты тартып аламан. 13Бирақ улыңның қолынан пүткил патшалықты тартып алмайман. Қулым Даўыттың ҳәм Өзим таңлап алған қалам Ерусалимниң ҳүрмети ушын, улыңа бир урыўды қалдыраман».

 

Сулайманның душпанлары

 

14Солай етип, Жаратқан Ийе Эдом патшаларының нәсилинен болған эдомлы Ҳададты Сулайманға душпан қылып, оған қарсы көтерди. 15Даўыт эдомлылар менен урыс алып барғанда, оның сәркәрдасы Йоаб өлгенлерди көмиў ушын келди ҳәм Эдомдағы еркеклердиң ҳәммесин қырып таслады. 16Йоаб ҳәм пүткил израиллы әскерлер Эдомдағы еркек затының ҳәммесин қырып таслайман дегенше, сол жерде алты ай қалып кетти. 17Бирақ сол ўақытта кишкене бала болған Ҳадад әкесине хызмет еткен базы эдомлылар менен бирге Мысырға қарай қашып кетти. 18Олар Мидяннан шығып, Паранға барды ҳәм ол жерден базы паранлыларды қосып алып, Мысырға, фараонға барды. Фараон Ҳададқа үй ҳәм жер берди, оны азық-аўқат пенен тәмийинледи. 19Ҳадад фараонның кеўлинен шықты. Фараон Ҳададты өз ҳаялының, ханбийке Тахпенестиң сиңлисине үйлендирди. 20Тахпенестиң сиңлиси Ҳададқа Генубат атлы ул туўып берди. Тахпенес Генубатты фараонның үйинде өсирди. Ол фараонның балалары менен бирге өсти. 21Ҳадад Мысырда ўақтында Даўыттың ҳәм оның сәркәрдасы Йоабтың өлгени туўралы еситти. Ол фараонға:
– Рухсат берсеңиз, өз елиме қайтайын, – деди.
22Фараон оған:
– Өз елиме кетемен дейтуғындай, бул жерде бир нәрседен кемшилигиң бар ма? – деп сорады.
Ҳадад оған жуўап берип:
– Ҳасла, бирақ өтинемен, қайтыўыма рухсат бериң, – деди.
23Қудай және бир душпанды, яғный өз ҳүкимдарынан, Соба патшасы Ҳададезерден қашқан Эляда улы Резонды Сулайманға қарсы көтерди. 24Даўыт собалыларды қырып таслағаннан соң, Резон жанына қарақшыларды топлап, оларға басшы болған еди. Бул адамлар Дамаскке кетип, сол жерде қалған ҳәм Дамаскте ҳүкимдарлықты қолға киргизген еди. 25Резон да Сулайманның өмири даўамында Израилға душпан болып келди. Ол Арамда патшалық етти ҳәм Ҳадад ислеген жаманлықларға қоса, ол да Израилға жаманлық ислеп келди.

 

Яробамның Сулайманға қарсы көтерилиўи

 

26Және, Сулайманның хызметкерлеринен бири Эфрайым урыўынан середалы Набат улы Яробам патшаға қарсы бас көтерди. Оның анасы Серуа деген бир жесир ҳаял еди. 27Яробамның патшаға қарсы шығыўының себеби мынаў еди: Сулайман Миллоны қурдырып, әкеси Даўыттың қаласының дийўалындағы жарықларды питетти. 28Яробам мәрт адам еди. Сулайман бул жигиттиң қәбилетли екенин көргенде, оны Юсуптиң урыўынан алынған пүткил мәрдикаршылар үстинен бақлаўшы етип қойды.
29Бир күни Яробам Ерусалимнен сыртқа шыққанда, шилолы пайғамбар Ахия оны жолда қарсы алды. Ахияның үстинде таза кийим бар еди. Қала сыртындағы далада олардан басқа ҳеш ким жоқ еди. 30Ахия үстиндеги таза кийимди шешти де, оны жыртып, оны он еки бөлекке бөлди. 31Кейин Яробамға: «Он бөлегин өзиңе ал, себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Сулайманның қолынан патшалықты тартып аламан ҳәм он урыўды саған беремен. 32Бирақ қулым Даўыттың ҳүрмети ҳәм Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалим ушын бир урыўды оған қалдыраман. 33Себеби Сулайман[20] Меннен жүз бурып, сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға, моаблардың қудайы Кемошқа ҳәм аммонлардың қудайы Милкомға табынып кетти. Ол Мениң алдымда дурыс болған ислерди ислеп, қағыйдалар ҳәм нызамларыма бойсынып жасаған әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм Мениң жолларымнан жүрмеди. 34Деген менен, буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсынып жасаған, таңлап алған қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, пүткил патшалықты Сулайманның өзиниң қолынан тартып алмайман. Оны өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар етип қояман. 35Бирақ патшалықты оның улының қолынан тартып алып, он урыўды Яробам, саған беремен. 36Ал Мениң алдымда, атымның сол жерде болыўы ушын Өзиме таңлап алған қалам Ерусалимде қулым Даўыттың шырағы мәңгиге сөнип қалмаўы ушын, Сулайманның улына бир урыўды беремен. 37Саған келсек, Мен сени таңлап аламан, сен кеўлиң күсеген нәрселердиң ҳәммесиниң үстинен бийлик жүргизип, Израилға патша боласаң. 38Егер сен қулым Даўыт сыяқлы айтқанларымды орынлап, қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынып жасасаң, Маған ылайықлы ислерди ислеп, Мениң жолларым менен жүрсең, онда Мен сениң менен бирге боламан. Даўытқа ислегеним сыяқлы, сениң ушын да беккем бир урпақ – патшалар әўладын жаратып, Израилды саған беремен. 39Сулайманның гүнасы себепли Даўыттың урпағын жазалайман, бирақ буны мәңгиге ислемеймен“».

 

Сулайманның өлими

 

40Сулайман Яробамды өлтирмекши болды. Бирақ Яробам Мысырға, Мысыр патшасы Шишақтың жанына қашып кетип, Сулайманның өлимине шекем сол жерде жасады.
41Сулайманның патшалығы дәўириндеги басқа ўақыялар, оның барлық ислери ҳәм даналықлары Сулайманның ислери китабында жазылған. 42Сулайман қырқ жыл даўамында пүткил Израилды Ерусалимде турып басқарды. 43Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.

 

12

 

Израиллылардың Рехабамға қарсы көтерилиўи

 

1Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди. 2Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, еле Мысырда еди. 3Израиллылар Яробамды шақыртты. Сонда Яробам ҳәм пүткил Израил жәмийети Рехабамға келип:
4– Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5Рехабам оларға:
– Енди барып, үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып:
– Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7Ақсақаллар оған:
– Егер бүгин сиз бул халыққа қул болып, хызмет етсеңиз ҳәм оларға жуўап бергенде, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жас хызметшилери менен кеңесип, 9олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди:
– Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ. 11Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди. 13Патша ақсақаллардың өзине берген кеңесине қулақ аспай, халыққа қатал жуўап берди. 14Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди. 15Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийе шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлерин орынлаў ушын усылай иследи.
16Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди:

 

«Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар,
Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ.
Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар!
Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!»

 

Усыларды айтып, израиллылар өз үйлерине қайтып кетти.
17Солай етип, Рехабам тек Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға ғана патшалық ете баслады. 18Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Адонирамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти. 19Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте. 20Пүткил израиллылар Яробамның Мысырдан қайтып келгенин еситкенде адам жиберип, оны өзлериниң жыйынына шақырды ҳәм пүткил Израил үстинен патша етип қойды. Яҳуда урыўынан басқа ҳеш бири Даўыттың урпағының қол астында қалмады.

 

Шемаяның пайғамбаршылығы

 

21Сулайманның улы Рехабам Ерусалимге барды да, Израил урыўлары менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, пүткил Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың адамды сайлап, әскерликке топлады. 22Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Қудайдан мынадай сөз түсти: 23«Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, пүткил Яҳуда, Бенямин урыўларына ҳәм сол жерде жасайтуғын басқа халықларға былай деп айт: 24Жаратқан Ийе былай дейди: „Израиллыларға, өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Оның буйрығына бойсынып, үйлерине қайтты.

 

Бейт-Эл ҳәм Дандағы алтын бузаўлар

 

25Яробам Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шехем қаласын беккемлеп, сол жерде жасай баслады. Соңынан ол жерден кетип, Пену-Эл қаласына қорған салды. 26Яробам ишинен: «Патшалық және Даўыттың урпақларына өтиўи мүмкин. 27Егер бул халық Ерусалимге, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлық бериў ушын бара берсе, жүреклери ҳүкимдарына, Яҳуда патшасы Рехабамға аўып кетер ҳәм мени өлтирип, патшасы Рехабам тәрепке өтип кетер», – деп ойлады.
28Сөйтип, патша кеңесгөйлери менен кеңескеннен соң, алтыннан еки тананы ислетип, халыққа: «Ҳәй, Израил халқы, сыйыныў ушын енди Ерусалимге барыўыңыздың ҳәжети жоқ. Мине, сизлерди Мысырдан алып шыққан қудайларыңыз!» – деди. 29Ол таналардың биреўин Бейт-Элге, екиншисин Дан қаласына қойды. 30Бул аўыр гүнаға алып келди. Себеби халық таналардың биреўине табыныў ушын, ҳәтте, Данға қарай кете баслады.
31Яробам сыйыныў орынларына бутханалар қурдырды ҳәм халық арасынан лебийлилерден болмаған адамларды руўханийлер етип қойды. 32Яробам сегизинши айдың он бесинши күни[21] Яҳудадағы байрамға еликлеп бир байрам шөлкемлестирди. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында өзи соқтырған таналарына атап қурбанлықлар берди ҳәм сол жерде өзи қурдырған сыйыныў орынларының руўханийлерин хызметке қойды. 33Ол өз қәлеўи менен белгилеп алған күни, сегизинши айдың он бесинши күни қурбанлықты жағып түтетиў ушын Бейт-Элде өзи қурдырған қурбанлық орынға барды. Сол күнди Израил урпақлары ушын байрам күни деп белгиледи.

 

13

 

Яҳудалы Қудайдың адамы

 

1Яробам қурбанлықты жағып түтетиў ушын қурбанлық орынның жанында турған ўақытта, Қудайдың адамы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳудадан Бейт-Элге келди. 2Ол Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, қурбанлық орынға қарата былай деп бақырды: «Қурбанлық орын, ҳәй, қурбанлық орын! Жаратқан Ийе былай дейди: „Даўыттың урпағынан Йосия деген бир ул дүньяға келеди. Ол қурбанлықты жағып түтетип, сыйыныў орынларында хызмет еткен руўханийлерди сениң үстиңде қурбанлыққа береди. Сениң үстиңде адамның сүйеклери жағылады“». 3Сол күни Қудайдың адамы буның белгиси туўралы былай деди: «Бул сөзлерди Жаратқан Ийениң айтқанлығын билдиретуғын белги мынаў: мына қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилип кетеди».
4Патша Яробам Қудайдың адамының Бейт-Элде қурбанлық орынға қарсы бақырып айтқан сөзлерин еситкенде, қолын қурбанлық орыннан алып, оған қарай созды да: «Услаңлар оны!» – деп бақырды. Сонда оның Қудайдың адамына қарай созған қолы сәррийип қатып, қыймылдамай қалды. 5Қудайдың адамының Жаратқан Ийениң сөзине муўапық айтқан белгиси бойынша, қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилди.
6Сол ўақытта патша Яробам Қудайдың адамына: «Өтинемен, қолымның бурынғы ҳалына келиўи ушын, Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оннан реҳим етиўди сора», – деди. Қудайдың адамы Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, патшаның қолы жазылып, бурынғы ҳалына келди.
7Патша Қудайдың адамына:
– Мениң менен үйиме барып, аўқатланып, ҳәлленип ал, саған сыйлар берейин, – деди.
8Бирақ Қудайдың адамы оған:
– Байлығыңыздың ярымын берсеңиз де, мен сиз бенен бирге бармайман, бул жерден нан да жемеймен, суў да ишпеймен. 9Себеби Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди. 10Солай етип, Қудайдың адамы Бейт-Элге келген жолынан кери қайтпай, басқа жол менен кетти.

 

Бейт-элли ғарры пайғамбар

 

11Бейт-Элде жасайтуғын бир ғарры пайғамбар бар еди. Уллары келип, оған сол күни Қудайдың адамының Бейт-Элде ислеген ислери ҳәм патшаға айтқанлары ҳаққында әкесине айтып берди. 12Ғарры олардан: «Қудайдың адамы қайсы жолдан кетти?» – деп сорады. Уллары оған Яҳудадан келген Қудайдың адамының қайсы жолдан кеткенин көрсетти. 13Сонда ғарры улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Уллары ешегин ертлегеннен соң, ол ешекке минип, 14Қудайдың адамының изинен кетти. Оны емен ағашының астында отырған жеринен тапты ҳәм оннан:
– Яҳудадан келген Қудайдың адамы сенбисең? – деп сорады.
Сол адам:
– Аўа, мен, – деп жуўап берди.
15Ғарры пайғамбар оған:
– Жүр, мениң менен үйге барып, аўқат жеп кет, – деди.
16Қудайдың адамы оған:
– Жолымнан қайтып, сиз бенен кете алмайман. Бул жерде нан да жемеймен, суў да ишпеймен. 17Өйткени Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди.
18Ғарры пайғамбар оған:
– Мен де сен сыяқлы бир пайғамбарман. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бир периште келип, маған: «Оны қайтарып, үйиңе әкел. Ол нан жеп, суў ишип алсын», – деп айтты, – деди. Бирақ ғарры пайғамбар Қудайдың адамын алдаған еди. 19Солай етип, Қудайдың адамы ғарры пайғамбар менен бирге изине қайтты ҳәм оның үйине барып, ишип-жеди. 20Олар еле дастурхан әтирапында отырғанда, Қудайдың адамын жолынан қайтарған пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 21Ғарры пайғамбар Яҳудадан келген Қудайдың адамына былай деп бақырды: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен Мениң сөзиме бойсынбадың, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. 22Жолыңнан қайтып, саған ишип-жеме деген жеримде ишип-жедиң. Сонлықтан сениң денең ата-бабаларыңның қәбирине қосылмайды“».
23Қудайдың адамы ишип-жеп болғаннан соң, ғарры пайғамбар оның ешегин ертлеп берди. 24Қудайдың адамы кетип баратырып, жолда бир арысланға тап болды, арыслан оны өлтирди. Ешек те, арыслан да созылып жатырған денениң жанында турған еди. 25Жолдан өтип баратырғанлар жолда жатырған өликти ҳәм оның жанында турған арысланды көрди. Олар ғарры пайғамбар жасап атырған қалаға барып, көргенлерин айтып берди.
26Қудайдың адамын жолдан қайтарған ғарры пайғамбар буны еситкенде: «Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбаған Қудайдың адамы сол болады. Сонлықтан Жаратқан Ийе Өз сөзи бойынша оған бир арысланды жиберди. Арыслан оны тилкимлеп өлтирди», – деди. 27Ол улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Олар ешекти ертледи. 28Ғарры кетип, жолда жатырған денени таўып алды. Ешек пенен арыслан еле денениң жанында турған екен. Арыслан денени де жемеген, ешекке де тиймеген еди. 29Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди. 30Соңынан ғарры марҳумды өзиниң қәбирине қойды. Адамлар: «Ўаҳ, баўырым!» – деп оған жоқлаў айтты. 31Қудайдың адамын жерлегеннен кейин, пайғамбар ғарры улларына былай деди: «Өлгенимнен кейин, мени Қудайдың адамының қәбирине қойың, сүйеклеримди де оның сүйеклериниң жанына қойың. 32Себеби оның Бейт-Элдеги қурбанлық орын ҳәм Самария қалаларындағы барлық сыйыныў орынлары туўралы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша айтқан сөзлери сөзсиз орынланады».

 

Яробамның уллы гүнасы

 

33Бул ўақыядан кейин де, Яробам өзиниң жаман жолынан қайтпады. Ол халық арасынан қәлеген адамын сыйыныў орынларына руўханийлер етип қойыўын даўам етип, руўханий болыўды қәлеген ҳәр бир адамға хызмет берди. 34Бул ислер Яробамның урпағының гүнаға батыўына ҳәм қырылып, жер бетинен жоқ болып кетиўине алып келди.

 

14

 

Яробамның улының өлими

 

1Сол ўақытлары Яробамның улы Абия наўқасланып қалды. 2Сонда Яробам ҳаялына былай деди: «Барып, мениң ҳаялым екениңди билмеўи ушын, кийимлериңди өзгертип ал да, Шилоға бар. Мениң усы халықтың патшасы болатуғыным туўралы алдын ала айтқан пайғамбар Ахия сол жерде жасайды. 3Он шөрек, бир неше қытырлақ нан ҳәм бир гүзе пал алып, оған апар. Улымызға не болатуғынын ол саған айтады».
4Ҳаялы Яробамның айтқанындай ислеп, Шилоға, Ахияның үйине кетти. Ахия қартайғанлықтан, көзи көрмейтуғын болып қалған еди. 5Жаратқан Ийе Ахияға: «Мине, Яробамның ҳаялы киятыр. Ол кеселге шалынған улына не болатуғынын сеннен сорамақшы. Сен оған мынадай-мынадай деп айт. Ол өзин басқа ҳаял етип көрсетиў ушын сыртқы көринисин өзгертип алған еди», – деди.
6Ахия қапыдан кирип киятырған ҳаялдың аяқ сестин еситкенде былай деди: «Яробамның ҳаялы, ишке кир! Неге сыртқы көринисиңди өзгертип, басқаша кийинип алдың? Саған жаман хабарларым бар. 7Яробамға барып, былай деп айт: „Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сени халқым арасынан таңлап алып, Өз халқыма, израиллыларға ҳүкимдар етип қойдым. 8Патшалықты Даўыттың урпағынан тартып алып, саған бердим. Бирақ сен қулым Даўытқа уқсамадың. Ол буйрықларыма бойсынды ҳәм Мениң алдымда дурыс болған ислерди ислеп, шын жүректен Мениң изимнен жүрди. 9Сен өзиңнен алдын жасағанлардың ҳәммесинен де бетер жаманырақ жаманлықлар иследиң. Өзиңе басқа қудайлардың, яғный тана мүсинлерин соғып алып, Мениң ғәзебимди келтирдиң. Сен Меннен жүз бурдың.
10Сол себепли Мен сениң хожалығыңды апатшылыққа ушыратып, Израилда сениң урпағыңнан болған пүткил еркек затын: қул болса да, азат адам болса да, ҳәммесин тезектиң түйирин де қалдырмай өртегендей етип өртеп, күлин көкке суўыраман. 11Сениң хожалығыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады“. Жаратқан Ийе мине усылай деди.
12Сен енди үйиңе қайт. Қалаға аяғыңды басыўдан-ақ улың өледи. 13Пүткил Израил халқы жоқлаў айтып, оны жерлейди. Яробамның хожалығынан жалғыз ол ғана жерленеди. Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Яробамның урпағынан жалғыз онда ғана Өзине унаған бир нәрселерди тапты. 14Енди Жаратқан Ийе Өзи ушын Израилға бир патша қояды. Бул патша сол күни-ақ, аўа, ҳәзир-ақ[22] Яробамның урпағын қырып таслайды. 15Жаратқан Ийе Израил халқын жазалайды ҳәм ол суўда тербелип турған қамысқа уқсап қалады. Жаратқан Ийе оларды ата-бабаларына берген бул жақсы жерлерден қуўып шығырып, Евфрат дәрьясының арғы тәрепине шашыратып жибереди. Өйткени олар өзлерине Ашера бутларын ислеп алып, Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди. 16Яробамның ислеген ҳәм Израилға ислеткен гүналары себепли Жаратқан Ийе Израилды тәрк етеди».
17Яробамның ҳаялы ол жерден шығып, Тирсаға келди. Ол үйине аяқ басар-баспастан, бала қайтыс болды. 18Пүткил израиллылар оны жерлеп, ол ушын аза тутты. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы пайғамбар Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.

 

Яробамның өлими

 

19Яробамның басқа ислери, яғный, қалай урысқанлары ҳәм елди қалай басқарғаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Яробам жигирма еки жыл патшалық етти. Ол өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, оның орнына улы Надаб патша болды.

 

Яҳуда патшасы Рехабам

 

21Сулайманның улы Рехабам Яҳудаға патша болғанда қырқ бир жаста еди. Жаратқан Ийениң Өз атын қойыў ушын пүткил Израил урыўлары жасап атырған қалалар ишинен таңлап алған қаласы Ерусалимде ол он жети жыл патшалық етти. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
22Яҳудалылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Олар ата-бабалары ислеген гүналардан да үлкенирек гүналар ислеп, Жаратқан Ийениң қызғанышлы ғәзебин оятты. 23Олар да арқа патшалық сыяқлы, өзлери ушын ҳәр бир бийикликке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына сыйыныў орынларын ислеп, кийели таслар ҳәм Ашера бутларын орнатты. 24Ҳәтте, үлкедеги сыйыныў орынларында бузықшылық иси менен шуғылланатуғын еркеклер де болды. Яҳудалылар Жаратқан Ийениң бурын Израил халқының алдынан қуўған халықлары ислеген барлық жеркенишли ислерди иследи.
25Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады. 26Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алып кетти. 27Соңынан патша Рехабам булардың орнына қоладан қалқанлар ислетти ҳәм оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди. 28Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ҳәр барғанда, сақшылар бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
29Рехабамның басқа ислери ҳәм ол ислеген ҳәр бир нәрсе Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 30Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди. 31Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Рехабамның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. Рехабамның орнына улы Абиям патша болды.

 

15

 

Яҳуда патшасы Абиям

 

1Израил патшасы Набат улы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абиям[23] Яҳудаға патша болды. 2Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абиямның анасы Абшаломның қызы Мааха еди. 3Абиям да әкесиниң бурын ислеген барлық гүналарын даўам етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге жүрегин толық бағышлаған бабасы Даўытқа уқсамады. 4Солай болса да, Қудайы Жаратқан Ийе Даўыттың ҳүрмети ушын оған Ерусалимде бир шырақ жағып берди: өзинен кейин улын оның орнына отырғызды ҳәм Ерусалимди беккемледи. 5Себеби хетт халқынан болған Урияға ислеген исинен басқа, Даўыт Жаратқан Ийениң көз алдында дурыс болған ислерди иследи ҳәм пүткил өмири бойы Оның буйрықларының ҳеш бирин орынлаўдан бас тартпады.
6Рехабам менен Яробам арасындағы саўаш Абиямның өмириниң ақырына шекем даўам етти. 7Абиямның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Абиям менен Яробам арасында саўаш үзликсиз даўам еткен еди. 8Абиям өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды.

 

Яҳуда патшасы Аса

 

9Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирмаланшы жылында Аса Яҳудаға патша болды. 10Ол Ерусалимде қырқ бир жыл патшалық етти. Оның кемпир апасы[24] Абшаломның қызы Мааха еди. 11Аса бабасы Даўыт сыяқлы Жаратқан Ийениң көз алдында дурыс болған ислерди иследи. 12Ол сыйыныў орынларындағы бузықшылық пенен шуғылланатуғын еркеклерди қуўып жиберди ҳәм ата-бабалары ислеген барлық бутларды алып таслады. 13Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, Кидрон сайында жағып жиберди. 14Ол тек сыйыныў орынларын жоқ қылмады, бирақ өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды. 15Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келди.
16Яҳуда патшасы Аса ҳәм Израил патшасы Бааша өмирлериниң ақырына шекем урысып өтти. 17Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шығып, Яҳуда патшасы Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Раманың бекинисин күшейтти.
18Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы қалған барлық гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасына, Хезйонның ақлығы Табриммонның улы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди: 19«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге саўғаға гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
20Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Бейт-Мааха қалаларын, пүткил Нафталий жери менен бирге пүткил Киннеретти басып алды. 21Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, Тирсаға қайтып келди. 22Патша Аса бирде бир адамды қалдырмай, пүткил яҳудалыларды шақырды. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Бенямин жериндеги Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
23Асаның басқа барлық ислери, барлық қаҳарманлықлары, барлық ислеген ислери ҳәм ол қурдырған барлық қалалар Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Ол қартайғанда аяқ аўырыўына шалынды. 24Аса өлип, ата-бабаларына қосылғанда, бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳошафат патша болды.

 

Израил патшасы Надаб

 

25Яҳуда патшасы Асаның патшалығының екинши жылында Яробамның улы Надаб Израилға патша болды ҳәм Израилда еки жыл патшалық етти. 26Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер ислеп, әкесиниң жолы ҳәм Израилға ислеткен гүналары изинен кетти.
27Надаб ҳәм пүткил израиллылар филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып атырғанда, Иссахар урыўынан шыққан Ахия улы Бааша тил бириктирип, Надабты Гиббетонда өлтирди. 28Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Бааша Надабты өлтирип, оның орнына патша болды. 29Ол тахтқа отырыўдан-ақ, Яробамның урпағын толығы менен қырып таслады. Яробамның хожалығы пүткиллей жоқ етилип, бирде бир тири жан қалмады. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы шилолы Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды. 30Булардың ҳәммеси Яробамның өзи гүна ислеп, Израил халқына да гүна ислетип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени себепли жүз берди.
31Надабтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 32Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына дейин даўам етти.

 

Израил патшасы Бааша

 

33Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Ахия улы Бааша пүткил Израилға патша болды ҳәм Тирсада жигирма төрт жыл патшалық етти. 34Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислер иследи. Ол Яробамның жолын қуўып, оған уқсап гүнаға батты, Израилды да гүнаға батырды.

 

16

 

1Жаратқан Ийеден Хананийдиң улы Еҳуға Израил патшасы Бааша ҳаққында мынадай сөз түсти: 2«Сени Мен топырақтан шығарып алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. Бирақ сен Яробамның жолынан жүрдиң ҳәм халқым Израилды гүнаға баслап, олардың гүнасы арқалы Мениң ғәзебимди келтирдиң. 3Сонлықтан сени ҳәм сениң урпағыңды Набат улы Яробамның урпағы сыяқлы туқым қурт қыламан. 4Сениң урпағыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
5Баашаның басқа ислери, ол ислеген ҳәр бир нәрсе, оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 6Бааша өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Тирсаға жерленди ҳәм оның орнына улы Эла патша болды.
7Баашаға ҳәм оның урпағына қарсы айтылған Жаратқан Ийениң усы хабары Хананий улы пайғамбар Еҳу арқалы айтылған еди. Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Яробамның хожалығына еликлеп ғана қоймай, өз гүналары менен Оның ғәзебин оятқаны ҳәм Яробамның пүткил әўладларын қырып таслағаны ушын усылар жүзеге келди.

 

Израил патшасы Эла

 

8Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма алтыншы жылында Бааша улы Эла Тирсада Израилға патша болды ҳәм ол еки жыл патшалық етти. 9Саўаш арбаларының ярымына басшылық ететуғын Зимрий деген бир хызметшиси Элаға қарсы тил бириктирди. Бир күни Эла Тирсада сарай басқарыўшысы Арсаның үйинде ишип, мәс болып қалды. 10Сонда Зимрий ишке кирип, Эланы өлтирди ҳәм оның орнына тахтқа отырды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында болды.
11Зимрий патша болып тахтқа отырыўдан-ақ, Баашаның урпағын толығы менен қырып таслады. Оның досларынан да, туўысқанларынан да бирде бир ер адамды тири қалдырмады. 12Жаратқан Ийениң пайғамбар Еҳу арқалы Баашаның хожалығына қарсы айтқан сөзлери бойынша, Зимрий Баашаның урпағын пүткиллей қырып таслады. 13Бул ўақыя Бааша ҳәм оның улы Эланың гүналары көп болып, Израил халқын гүнаға батырғаны, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын жүз берген еди.
14Эланың басқа ислери, ол ислеген ҳәмме нәрсе Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

Израил патшасы Зимрий

 

15Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында Зимрий Тирсада тек жети күн-ақ патшалық етти. Сол ўақытлары Израил әскерлери филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып, ордада жатырған еди. 16Ордадағы израиллылар Зимрийдиң тил бириктирип, патшаны өлтиргенин еситти ҳәм сол күни-ақ олар сәркәрда Омрийди Израилға патша етип жәриялады. 17Омрий ҳәм оның қасындағы пүткил израиллылар Гиббетоннан келип, Тирсаны қамал қылды. 18Зимрий қаланың қолдан кеткенин көргенде, патша сарайының қорғанына кирип, сол жерге от берди ҳәм өзи де оттың ишинде өлип кетти. 19Бул оның Яробамның гүналы жолынан жүрип, Израилды гүнаға баслағаны ҳәм Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислегени себепли болды. 20Зимрийдиң басқа ислери, оның патшаға ислеген қастыянлығы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

Израил патшасы Омрий

 

21Буннан соң, Израил халқы екиге бөлинди. Олардың ярымы Гинат улы Тибнийдиң, ал ярымы Омрийдиң патша болыўын қәледи. 22Ақырында, Омрийге ерген халық Гинат улы Тибнийге ерген халықтан үстин келди. Тибний өлип, Омрий патша болды.
23Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз биринши жылында Омрий Израилға патша болды. Ол ҳәммеси болып он еки жыл патшалық етип, соның дәслепки алты жылында Тирсада патшалық етти. 24Омрий Шемер деген адамнан Самария төбешигин еки талант гүмиске сатып алып, оның үстине қала қурды. Қаланы төбешиктиң бурынғы ийеси Шемердиң аты менен Самария деп атады.
25Омрий де Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, өзинен алдынғы барлық патшалардан да жаманырақ жаўызлықларды иследи. 26Ол толық Набат улы Яробамның жолынан жүрди ҳәм оның Израилды баслаған гүналарына қосылып, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.
27Омрийдиң басқа ислери ҳәм ол көрсеткен ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 28Омрий өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.

 

Израил патшасы Ахаб

 

29Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз сегизинши жылында Омрий улы Ахаб Израилға патша болды ҳәм Самарияда жигирма еки жыл патшалық етти. 30Омрий улы Ахабтың Жаратқан Ийениң нәзеринде ислеген жаман ислери өзинен бурын болған патшалардың ҳәммесиникинен де асып түсти. 31Оған Набат улы Яробамның гүналарына шерик болыў аз болғандай, Сидон патшасы Этбаалдың қызы Изабелге үйленди ҳәм Баалға хызмет етип, оған табына баслады. 32Ол Самарияда Баалға арнап қурдырған бутханасының ишине Баал ушын қурбанлық орын да қурды. 33Буның үстине, ол Ашера бутын да ислетти. Ахаб өзинен бурын өткен Израил патшаларының барлығынан да артығырақ гүна ислеп, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қатты ғәзебин келтирди.
34Ахаб патшалық еткен дәўирде, бейт-элли Хиел Ерихо қаласын қайта қурды. Жаратқан Ийениң Нун улы Ешуа арқалы алдын ала айтқанындай, Хиел қаланың тийкарын салғанда, өзиниң туңғыш улы Абирамнын, ал қаланың дәрўазасын қойғанда, генже улы Сегубтан айырылды.

 

17

 

Илияс ҳәм қурғақшылық

 

1Гиладтың Тишбе қаласынан болған Илияс Ахабқа: «Мен хызмет ететуғын Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен айтпағанымша, келеси жыллары жаўын да жаўмайды, шық та түспейди», – деди.
2Сол ўақытта Жаратқан Ийеден Илиясқа мынадай сөз түсти: 3«Бул жерден кетип, шығыс тәрепке қарай жүр ҳәм Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына жасырын. 4Сен сол сайдан суў ишесең, сол жерде сени бағыўды ғарғаларға буйырдым».
5Илияс Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына барды ҳәм сол жерде қалды. 6Қузғынлар ҳәр күни азанда ҳәм кеште оған нан менен гөш әкелип турды, ол суўды сайдан ишти. 7Бирақ бир қанша ўақыт өткеннен кейин, жерге жаўын жаўмағанлықтан, сай да қурып қалды.

 

Илияс ҳәм сарафатлы жесир ҳаял

 

8Сол ўақытта Илиясқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 9«Енди Сидонға жақын жердеги Сарафат қаласына барып, сол жерде қал. Сол жерде жасайтуғын бир жесир ҳаялға сени бағыўды буйырдым». 10Илияс Сарафатқа кетти. Ол қала дәрўазасына жақынлағанда, сол жерде отын жыйнап жүрген бир жесир ҳаялға көзи түсти. Ол ҳаялға:
– Маған ишиў ушын бир сарқум суў бересең бе? – деди. 11Ҳаял суў әкелиў ушын кетип баратырғанда, Илияс оның изинен:
– Илтимас, маған шаппаттай нан да ала кел, – деп бақырды.
12Ҳаял оған:
– Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: жейтуғын ҳеш нәрсем жоқ. Тек ыдыстағы бир уўыс ун менен гүзеде азғантай май ғана бар. Мине, еки қысым отын теремен де, барып сол уннан улым менен өзиме бир нәрсе писиремен. Усы соңғы асымызды жеп болып, өлип кетемиз, – деди.
13Илияс ҳаялға былай деди:
– Қорқпа, барып айтқаныңды писир. Бирақ дәслеп бир кишкене шөрек жаўып, маған әкелип бер. Ал өзиң ҳәм улың ушын кейин жабасаң. 14Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Жаратқан Ийе жерге жаўын жибергенше, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмайды».
15Ҳаял барып, Илиястың айтқанларын иследи. Ҳаял, оның хожалығы ҳәм Илияс узақ ўақыт азық-аўқаттан тарықпады. 16Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмады.
17Арадан бираз ўақыт өткеннен соң, үй ийеси болған жесир ҳаялдың баласы наўқасланып қалды. Оның наўқасы жүдә аўыр болып, ақырында деми таўысылды. 18Сонда ҳаял Илиясқа:
– Ҳәй, Қудайдың адамы, мен сизге не қылып едим? Сиз маған гүналарымды еслетиў ҳәм улымды өлтириў ушын келип пе едиңиз? – деди.
19Илияс ҳаялға:
– Балаңды маған бер, – деди де, баланы ҳаялдың қолынан алып, оны өзи жасайтуғын жоқарғы бөлмеге алып шықты ҳәм өз төсегине жатқарды. 20Соңынан Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди: «О, Қудайым Жаратқан Ийе, неге Сен үйинен маған пана берген жесир ҳаялдың баласын өлтирип, оған жаманлық иследиң?» 21Кейин Илияс үш рет баланың үстине өзин таслап, Жаратқан Ийеге: «О, Қудайым Жаратқан Ийе, бул балаға қайтадан жан бере гөр», – деп жалбарынды. 22Жаратқан Ийе Илиястың жалбарыныўларын еситти. Баланың жаны өзине қайтып, ол тирилди. 23Илияс баланы жоқарғы бөлмеден алып түсип, анасына берип атырып:
– Қара, балаң тири, – деди.
24Сонда ҳаял Илиясқа:
– Енди билдим, сиз Қудайдың адамысыз ҳәм сиз арқалы айтқан Жаратқан Ийениң сөзи ҳақ, – деди.

 

18

 

Илияс пенен Обадия

 

1Арадан көп ўақытлар өткеннен соң, қурғақшылықтың үшинши жылында Жаратқан Ийеден Илиясқа: «Патша Ахабтың алдына барып, өзиңди көрсет. Мен жерге жаўын жаўдыражақпан», – деген сөз түсти. 2Илияс Ахабтың алдына барыў ушын кетти.
Сол ўақытта Самарияда күшли ашаршылық ҳүким сүрип турған еди.
3Сонлықтан Ахаб сарай басқарыўшысы Обадияны шақырды. Обадия Жаратқан Ийеден қатты қорқатуғын еди. 4Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслаған ўақытта, Обадия жүз пайғамбарды алып кетип, елиў-елиўден үңгирлерге жасырды да, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турған еди. 5Ахаб Обадияға: «Үлке бойлап, барлық булақлар менен сайларды көрип шық. Бәлким, ат ҳәм ғашырларымызды бағыў ушын бир жерден от табылып, оларды аман сақлап қалармыз», – деди. 6Олар айланып шығыў ушын, жерди бөлисип алғаннан соң, екеўи еки жаққа қарай жолға түсти.
7Обадия кетип баратырып, жолда өзине қарай киятырған Илиясты көрди. Ол Илиясты танып, ет-бетинен жығылып, тәжим етип:
– Мырзам Илияс, бул сизбисиз? – деди.
8Илияс оған:
– Аўа, бул мен. Мырзаңа барып: «Илияс усы жерде», – деп айт, – деди.
9Бирақ Обадия Илиясқа былай деди:
– Қулың болған мени өлтириў ушын Ахабтың қолына тапсыратуғындай, мен не гүна иследим? 10Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: тақсырым сизди излеў ушын адам жибермеген бирде бир халық яки патшалық қалмады. Ол: «Илияс бул жерде жоқ», – деген ҳәр бир халық ҳәм патшалықларға сизди таба алмағаны ҳаққында ант иштирди. 11Ал сиз болсаңыз, енди маған өзиңиздиң усы жерде екенлигиңизди мырзаңа айт деп атырсыз. 12Мен сизиң жаныңыздан кетиўден-ақ, Жаратқан Ийениң Руўхы сизди мен билмейтуғын бир жерге алып барады. Мен барып, Ахабқа хабар бергенимде, ол келип, сизди таппай қалса, мени өлтиреди. Ал қулыңыз болған мен балалығымнан Жаратқан Ийеден қорқып жасап келдим. 13Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслап атырғанда, мениң не ислегенимнен, мырзам, сизиң хабарыңыз жоқ па? Мен Жаратқан Ийениң жүз пайғамбарын елиў елиўден үңгирлерге жасырдым, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турдым. 14Енди сиз болсаңыз маған: «Мырзаңа барып: „Мине, Илияс усы жерде“, – деп айт», – дейсиз. Ол мени өлтиреди-ғо.
15Илияс Обадияға:
– Мен дәргайында турған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы ант ишемен: мен бүгин сөзсиз оған ушырасаман, – деди.

 

Илияс Кармел таўында

 

16Обадия Ахабқа барып, оны ўақыядан хабардар етти. Сонда Ахаб Илиясты қарсы алыўға кетти. 17Ахаб Илиясты көргенде:
– Ҳәй, Израилды бәлеге дуўшар еткен адам, бул сенбисең!? – деди.
18Илияс оған былай деди:
– Израилды бәлеге дуўшар еткен мен емес, ал Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, Баалдың мүсинлерине хызмет етип, Израилды бәлеге дуўшар еткен сиз ҳәм сизиң үй-ишиңиз болады. 19Енди барып, хабар жибериң: пүткил Израил халқы, Изабелдиң дастурханынан ишип-жейтуғын Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары ҳәм Ашераның төрт жүз пайғамбары Кармел таўына, мениң жаныма жыйналсын.
20Ахаб хабар жиберип, пүткил Израил халқын ҳәм пайғамбарларды Кармел таўына жыйнады. 21Илияс халықтың алдына шығып: «Қашанға дейин, еки кемениң басын услап жүресиз? Егер Жаратқан Ийени Қудай деп билсеңиз, Оның изине ериң. Ал егер Баалды Қудай деп билсеңиз, онда оның изине ериң», – деди. Бирақ халық Илиясқа ҳеш қандай жуўап бермеди. 22Илияс сөзин даўам етип былай деди: «Жаратқан Ийениң пайғамбарларынан жалғыз мен қалдым. Ал Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары бар. 23Бизлерге еки буға алып келиң. Биреўин Баалдың пайғамбарлары таңлап алып, сойсын ҳәм оны майдалап отынның үстине қойсын. Бирақ отынды жақпасын. Ал екинши буғаны мен сойып таярлап, отынның үстине қояман. Бирақ отынды жақпайман. 24Кейин сизлер өз қудайыңыздың атын айтып шақырың, мен де Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман. Сонда кимниң Қудайы от арқалы жуўап берсе, сол – Қудай болады».
Пүткил халық: «Яқшы, солай болсын», – деп жуўап берди.
25Илияс Баалдың пайғамбарларына: «Сизлер көпсиз. Сонлықтан дәслеп сизлер буғаның биреўин таңлап алып, таярлаңлар ҳәм қудайыңыздың атын айтып шақырыңлар. Бирақ отынды жақпаңлар», – деди.
26Олар өзлерине берилген буғаны алып, таярлағаннан соң, азаннан түске шекем: «Ҳәй Баал, бизлерге жуўап бер», – деп Баалдың атын айтып шақырды. Бирақ ҳеш бир даўыс та, жуўап та болмады. Сонда олар өзлери қурған қурбанлық орын әтирапында секире баслады. 27Түс болғанда, Илияс: «Қатты бақырып, шақырың! Өйткени ол қудай-ғо. Бәлким, ол ойға шүмип кеткен, ямаса бир нәрсе менен бәнт шығар, яки сапарда шығар. Бәлким, уйықлап атырған болып, оны оятыў керек шығар», – деп олардың үстинен күле баслады. 28Олар қатты бақырды. Дәстүрлери бойынша, өзлерине пышақ ҳәм найза суғып, қан ағызып, денелерин жарақатлады. 29Олар түс аўғаннан баслап, кешки қурбанлық берилетуғын ўақытқа шекем жиллиленип бақыра берди. Бирақ саза да, белги де, жуўап та болмады.
30Сонда Илияс пүткил халыққа: «Мениң жаныма келиңлер», – деди. Пүткил халық Илиястың жанына келди. Ол Жаратқан Ийениң бузылған қурбанлық орнын қайта тикледи. 31Илияс Яқыптың улларынан келип шыққан урыўлардың саны бойынша он еки тас алды. Себеби Жаратқан Ийеден Яқыпқа: «Сениң атың Израил болады», – деген сөз түскен еди. 32Илияс бул таслардан Жаратқан Ийениң атына арнап қурбанлық орын қурды ҳәм оның дөгерегине еки сеа дән сыятуғын ор қазды. 33Соңынан отынларды қалады ҳәм буғаны бөлеклеп, отынның үстине қойды да: «Төрт гүзе суў әкелип, жандырылатуғын қурбанлық пенен отынның үстине қуйыңлар», – деди. 34Кейин ол: «Және солай ислеңлер», – деди. Олар солай иследи. Кейин және: «Үшинши рет те солай ислеңлер», – деди. Олар үшинши рет те солай иследи. 35Суў қурбанлық орынның дөгерегине ағып, ор да суўға толды.
36Кеште, қурбанлық берилетуғын ўақытта, Илияс пайғамбар қурбанлық орынға жақынлап, былай деп дуўа етти: «О, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Бүгин Израилда Өзиңниң Қудай екениңди, мениң де Сениң қулың екенимди ҳәм булардың ҳәммесин Сениң буйрықларың бойынша ислегенимди билдире гөр! 37О, Жаратқан Ийе, мени еситип, маған жуўап бер. Бул халыққа Өзиңниң Қудай екениңди ҳәм олардың жүреклерин қайтадан Өзиңе қаратып атырғаныңды билдире гөр!»
38Сол ўақытта Жаратқан Ийениң оты түсти. Түскен от жандырылатуғын қурбанлықты, отынды, тасларды ҳәм топырақты жандырып жиберип, ордағы суўды да жалмап кетти.
39Пүткил халық буны көргенде, ет-бетинен жерге жығылып: «Жаратқан Ийе – Қудай, Жаратқан Ийе – Қудай!» – деп бақырысты.
40Сонда Илияс оларға: «Баалдың пайғамбарларын услап алыңлар, ҳеш бири қашып кетпесин», – деп буйырды. Олар услап алынды. Илияс оларды Кишон сайына алып барып, сол жерде өлтирди.

 

Қурғақшылықтың тамам болыўы

 

41Буннан кейин, Илияс патша Ахабқа: «Барып, ишип-жең. Себеби күшли жаўынның даўысы еситилип тур», – деди. 42Ахаб аўқатланыўға кетти. Илияс Кармел таўының төбесине шықты ҳәм басын еки дизесиниң арасына тығып, жерге қарап отырды. 43Кейин хызметшисине: «Барып, теңиз тәрепке қара», – деди.
Хызметшиси барып, теңизге қарады да: «Ҳеш нәрсе жоқ», – деди.
Илияс хызметшисин жети рет теңиз тәрепке қарап келиў ушын жиберди. 44Жетинши ретте хызметшиси: «Теңизден үлкенлиги адамның алақанындай бир булт көтерилип киятыр», – деди.
Сонда Илияс: «Ахабқа барып айт, арбасын жегип тез қайтсын, жаўында қалып қоймасын», – деди.
45Сол ўақытта, аспанды қалың булт қаплап, самал ести ҳәм нөсер жаўын жаўа баслады. Ахаб арбасына минди де, Изреелге кетти. 46Жаратқан Ийениң қолы Илиястың үстинде болды. Ол белин беккем буўды да, Ахабтың алдына түсип, Изреелге шекем жуўырып барды.

 

19

 

Илиястың қашып кетиўи

 

1Патша Ахаб Илиястың ислеген ҳәмме ислерин, барлық пайғамбарларды қалай қылыштан өткергенин ханбийке Изабелге айтып берди. 2Сонда Изабел Илиясқа: «Ертең анық усындай ўақытқа шекем сениң пайғамбарларға ислегениңди өзиңе ислемесем, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деп хабар жиберди.
3Илияс буны еситкенде қорқып, жан сақлаў ушын Яҳудадағы Беер-Шеба қаласына қашып барып, хызметшисин сол жерде қалдырды. 4Ал өзи болса, шөлде бир күн жол жүрди. Ақырында, бир теректиң астына келип отырды да, өзине өлим сорап: «О, Жаратқан Ийем, жетер енди! Жанымды ал, мениң ата-бабаларымнан артық жерим жоқ», – деп дуўа етти. 5Соңынан теректиң шақалары астына жатып, уйқыға кетти. Тосаттан бир периште оны түртип: «Турып, жеп ал», – деди. 6Илияс турып қараса, бас бетинде тасқа қойып писирилген ыссы шөрек пенен бир гүзе суў турған екен. Ол ишип-жеп болып, және уйқыға кетти.
7Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет қайтып келди де, оны түртип: «Турып, жеп ал, алдыңда узақ жол турыпты», – деди. 8Илияс турып, ишип-жеди. Сол аўқаттан күш алған Илияс Қудайдың таўы болған Хореб[25] таўына шекем қырқ күн, қырқ түн жол жүрди. 9Ол сол жердеги бир үңгирге кирип түнеди.

 

Жаратқан Ийениң Илиясқа көриниўи

 

Мине, Жаратқан Ийеден Илиясқа сөз түсти. Ол Илиясқа:
– Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады. 10Илияс Оған:
– О, Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
11Жаратқан Ийе Илиясқа:
– Таўға шығып, көз алдымда тур. Мен сениң жаныңнан өтемен, – деди.
Жаратқан Ийениң алдында таўларды жарып, жартасларды майдалаған қатты ҳәм күшли самал ести. Бирақ Жаратқан Ийе самал ишинде емес еди. Самалдан кейин жер силкинди, бирақ Жаратқан Ийе жер силкиниў ишинде де емес еди. 12Жер силкиниўден кейин, от түсти, бирақ Жаратқан Ийе оттың да ишинде емес еди. Оттан кейин өлпең даўыс еситилди. 13Илияс бул даўысты еситкенде, бетин шапаны менен жаўып алды да, сыртқа шығып, үңгирдиң аўзында турды. Сол ўақытта бир даўыс:
– Илияс, бул жерде не қылып атырсаң? – деп сорады.
14Илияс Оған:
– О, Әлемниң Қудайы, Жаратқан Ийе, мен Саған шын ықлас пенен хызмет еттим. Бирақ Израил халқы Сениң менен дүзген келисимнен жүз бурып, қурбанлық орынларыңды бузып таслады ҳәм пайғамбарларыңды қылыштан өткизди. Жалғыз мен қалдым, олар өлтириў ушын мени де излеп атыр, – деп жуўап берди.
15Сонда Жаратқан Ийе Илиясқа:
– Келген жолың менен изиңе қайтып, шөл арқалы Дамаскке бар. Ол жерге барғаныңда, Хазаелди майлап, Арамға патша етип қой, 16Нимший улы Еҳуды майлап, Израилға патша етип, ал абел-мехолалы Шафат улы Элишаны майлап, өзиңниң орныңа пайғамбар етип қой. 17Хазаелдиң қылышынан қашып қутылғанды Еҳу, Еҳудың қылышынан қашып қутылғанды Элиша өлтиреди. 18Деген менен, Израилда Баалға тәжим етип, оны сүймеген жети мың адамды тири қалдыраман.

 

Элишаның шақырылыўы

 

19Солай етип, Илияс сол жерден кетип, Шафат улы Элишаны таўып алды. Ол он еки жуп өгиз бенен жер айдап атырғанлардың он екиншиси болып жер айдап атыр екен. Илияс Элишаның жанына жақынлап, шапанын оның үстине атып жиберди. 20Элиша өгизлерди қалдырып, Илиястың изинен жуўырды ҳәм оған:
– Ата-анамды сүйип қайтыўыма рухсат берсеңиз, соңынан изиңизден жетип аламан, – деди.
– Илияс Элишаға:
– Яқшы, кете бер, бирақ саған не қылғанымды умытпа, – деди.
21Солай етип, Элиша изине қайтып барып, бир жуп өгизин сойды. Олардың мойынтырықларын отын етип жағып, гөшин писирди ҳәм адамларға тарқатты. Адамлар да жеди. Кейин Элиша Илиястың изинен кетти ҳәм оған хызмет ете баслады.

 

20

 

Арамлылардың Самарияға ҳүжим етиўи

 

1Арам патшасы Бен-Ҳадад пүткил әскерлерин жыйнады. Бен-Ҳададқа қараслы отыз еки патша да атлары ҳәм саўаш арбалары менен оған қосылды. Олар барды да, Самарияны қоршап алып, қалаға ҳүжим етти. 2Бен-Ҳадад қалаға, Израил патшасы Ахабқа хабаршылар жиберип, былай деди: «Бен-Ҳадад былай дейди: 3„Сениң гүмис ҳәм алтыныңның, ҳаялларың ҳәм улларыңның ең жақсылары меники болады“».
4Израил патшасы оған: «Тақсыр, сизиң айтқаныңыздай болсын. Өзим де, мендеги ҳәмме нәрсе де сизики», – деп жуўап берди.
5Бен-Ҳададтың елшилери және қайтып келип, Ахабқа былай деди: «Бен-Ҳадад былай дейди: „Саған гүмис ҳәм алтыныңды, ҳаялларыңды ҳәм улларыңды маған бересең деп хабар жиберген едим. 6Енди ертең усы ўақытта сениң сарайыңды ҳәм хызметшилериңниң үйин тинтиў ушын адамларымды жиберемен. Олар саған қәдирли болған ҳәмме нәрсени алып кетеди“».
7Сонда Израил патшасы елдеги барлық ақсақалларды жыйнап, оларға:
– Ойлап көриңлер, бул адам қандай жаманлық ойлап қойыпты? Ол меннен ҳаялларымды, улларымды, гүмис ҳәм алтынымды талап еткенде, мен қарсылық билдирмедим, – деди.
8Сонда ақсақаллар да, халық та патшаға:
– Оған қулақ салмаң, ыразы да болмаң, – деди.
9Солай етип, Ахаб Бен-Ҳададтың елшилерине: «Тақсырға дәслепки тилегин орынлайтуғынымды, бирақ кейингисине ыразы емеслигимди айтып барыңлар», – деди. Елшилер барып, Бен-Ҳададқа жуўапты жеткизди.
10Сонда Бен-Ҳадад Ахабқа хабаршыларын жиберип: «Мен Самарияны жер менен жексен қыламан. Егер Самарияның топырағы мениң изиме ерген әскерлердиң уўысын толтырыўға жетсе, қудайлар мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.
11Израил патшасы оған былай деп жуўап берди: «Патшаңызға барып айтың, саўытын кийип атырып емес, ал шешип атырып мақтансын».
12Шатырда өзине қараслы патшалар менен бирге шарап ишип отырған Бен-Ҳадад буны еситкенде, адамларына: «Ҳүжимге таярланың», – деп буйырды. Олар қалаға ҳүжим қылыўға таяр турды.

 

Ахабтың Бен-Ҳадад үстинен жеңиске ерисиўи

 

13Сол ўақытта бир пайғамбар Израил патшасы Ахабқа келип былай деди:
– Жаратқан Ийе былай дейди: «Мына үлкен әскерлер топарын көрип турсаң ба? Бүгин оны саған тәслим етемен! Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң!»
14Ахаб пайғамбардан:
– Ким арқалы? – деп сорады.
Пайғамбар оған:
– Жаратқан Ийе былай дейди: «Ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери арқалы», – деп жуўап берди.
Ахаб оннан:
– Саўашты ким баслайды? – деп сорады.
Пайғамбар Ахабқа:
– Сиз баслайсыз, – деп жуўап берди. 15Ахаб ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлерин шақырып санады. Олар еки жүз отыз еди. Соңынан пүткил халықты, Израил әскерлерин санады. Олар жети мың адам еди. 16Түсте, Бен-Ҳадад өзине жәрдем берип атырған отыз еки патша менен бирге шатырда ўақты хошлық етип атырған ўақытта, израиллылар ҳүжимди баслады. 17Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери саўашқа шықты. Бен-Ҳадад жиберген тыңшылар оған: «Самариядан адамлар шығып киятыр», – деп хабарлады.
18Бен-Ҳадад: «Олар келисим дүзиў ушын киятырған болса да, урысыў ушын киятырған болса да, тирилей услап алыңлар», – деди.
19Дәслеп ўәлаят ҳәкимлериниң жас жаўынгерлери, олардың изинен басқа әскерлер қаладан шықты. 20Олардың ҳәр бири өз қарсыласын өлтирди, арамлылар қаша баслады ҳәм израиллылар олардың изинен қуўып кетти. Арам патшасы Бен-Ҳадад та атына минип, атлылары менен бирге қашып қутылды. 21Израил патшасы қаладан шығып, атлар менен саўаш арбаларына ҳүжим жасады ҳәм арамлыларды үлкен қырғынға ушыратты.
22Буннан кейин, пайғамбар келип, Израил патшасына: «Барып, күшиңизди жыйнаң ҳәм не ислейтуғыныңызды билип алың. Себеби келеси жылы бәҳәрде Арам патшасы сизге және ҳүжим қылады», – деди.

 

Арамлылардың екинши ҳүжими

 

23Арам патшасының хызметкерлери оған былай деди: «Израилдың қудайы – таўлар Қудайы. Сонлықтан олар бизлерди жеңди. Егер олар менен тегисликте урыссақ, бизлер оларды сөзсиз жеңемиз. 24Енди қол астыңыздағы патшалардың ҳәммесин орынларынан алып таслап, орынларына сәркәрдаларды тайынлаң. 25Қолдан кеткен ат орнына ат, арба орнына арба топлап, бурынғыдай әскер жыйнаң. Кейин израиллылар менен тегисликте саўаш жүргиземиз ҳәм сөзсиз оларды жеңемиз».
Бен-Ҳадад оларға қулақ салып, солай иследи.
26Келеси жылы бәҳәрде Бен-Ҳадад арамлыларды жыйнап, Израил менен урысыў ушын Афек қаласына кетти. 27Израиллылар да жыйналып, азық-аўқатын алды да, олар менен урысыў ушын жолға шықты ҳәм олардың қарсысына орда қурды. Үлкени толтырған арамлылардың алдында израиллылар кишкене еки ешки сүриўи сыяқлы еди.
28Қудайдың адамы Израил патшасының жанына келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлылар Жаратқан Ийе тегисликлердиң емес, ал таўлардың Қудайы дегени ушын, усы үлкен әскерлер топарын саған тәслим етемен. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билесизлер“».
29Бир-бирине қарсы орда қурған арамлылар менен израиллылар жети күн турды. Жетинши күни саўаш басланды. Бир күнде израиллылар арамлылардың жүз мың пияда әскерин өлтирди. 30Қалғанлары Афекке, қаланың ишине қашты. Ол жерде қалған жигирма жети мың адамның үстине қаланың дийўалы қулады. Бен-Ҳадад та қаланың ишине қашып барып, ишки бир бөлмеге кирип алды.
31Сонда хызметшилери Бен-Ҳададқа: «Еситиўимизше, Израил патшалары реҳимли патшалар қусайды. Енди үстимизге аза кийимин кийип, мойнымызға арқан салып, Израил патшасының алдына барайық. Бәлким, ол бир қасық қаныңыздан кешер», – деди. 32Олар үстине аза кийимин кийип, мойынларына арқан салды ҳәм Израил патшасының алдына келип: «Қулыңыз Бен-Ҳадад бир қасық қанынан кешиўиңизди сорап жалбарынады», – деди.
Ахаб: «Бен-Ҳадад еле тири ме? Ол мениң әжағам-ғо», – деди. 33Бен-Ҳададтың хызметшилери буны жақсылыққа жорып, патшаның аўзындағы сөзди қағып алды да: «Бен-Ҳадад сизиң әжағаңыз!» – деди.
Патша: «Барып, оны алып келиңлер», – деп буйырды. Бен-Ҳадад келгенде, патша оны өз саўаш арбасына отырғызды. 34Бен-Ҳадад Ахабқа:
– Әкемниң сизиң әкеңизден тартып алған қалаларын қайтып беремен. Әкемниң Самарияда базарлар қурғаны сыяқлы, сиз де Дамаскте базарлар қурасыз, – деди.
Ахаб оған:
– Келисим дүзгеннен соң, сени босатып жиберемен, – деди. Соңынан оның менен келисим дүзди де, босатып жиберди.

 

Бир пайғамбардың Ахабқа қарсы сөйлеўи

 

35Сол арада пайғамбарлар топарындағылардан бири Жаратқан Ийениң сөзи бойынша жолдасына:
– Өтинемен, мени ур, – деди.
Бирақ ол жолдасын урыўды қәлемеди.
36Сонда пайғамбар жолдасына:
– Жаратқан Ийениң буйрығын орынламағаның ушын, жанымнан кетиўден-ақ, сени бир арыслан өлтиреди, – деди. Сол адам пайғамбардың қасынан кетиўден-ақ, бир арысланға дус келип, арыслан оны өлтирди.
37Соңынан пайғамбар басқа бир адамға келип:
«Өтинемен, мени ур», – деди. Сол адам оны урып, жарадар етти. 38Пайғамбар кетти ҳәм өзин танытпаў ушың көзин жапқыш пенен жаўып, жол бойында патшаны күте баслады. 39Патша сол жерден өтип баратырғанда, пайғамбар бақырып, оған былай деди:
– Қулыңиз болған мен урысқа барған едим. Сонда бир әскер арман барды да, бир тутқынды маған әкелип: «Мына адамға қарап тур. Егер қашып кетсе, оның орнына өзиңниң жаның алынады ямаса бир талант гүмис бересең», – деди. 40Бирақ мен анаў-мынаў менен бәнт болғанымда, ол қашып кетипти.
Израил патшасы оған:
– Өзиңе өзиң ҳүким шығарып турсаң-ғо. Сениң жазаң сол болады, – деди.
41Сол ўақытта пайғамбар дәрриў бетиндеги жапқышты алып таслады. Сонда патша оның пайғамбарлардан бири екенин билди. 42Пайғамбар патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен жоқ қылыўды буйырған адамды өз қолыңнан босатып жибергениң ушын, оның орнына өзиңниң жаның алынады. Ал оның халқының басына түсетуғын нәрсе сениң халқыңның басына түседи“».
43Израил патшасы қапа болып, тынышсызланған ҳалда Самариядағы сарайына келди.

 

21

 

Наботтың бағы

 

1Арадан бираз ўақыт өтип, мынадай ўақыя жүз берди: Изреелде, Самария патшасы Ахабтың сарайының жанында изреелли Наботтың бир жүзим бағы бар еди. 2Бир күни Ахаб Наботқа:
– Жүзим бағыңды маған бер. Ол мениң сарайыма жақын болғаны ушын, оның орнына палыз егинлерин өсирейин. Бағыңның орнына басқа жақсырақ бағ беремен. Егер қәлесең, бағыңның баҳасын гүмис пенен төлеймен, – деди.
3Бирақ Набот Ахабқа:
– Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бериўден мени Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! – деди.
4Изреелли Наботтың: «Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бермеймен», – деген сөзине қатты ашыўланған Ахаб үйине тунжырайып келди. Ол төсегине кирип, жүзин терис қаратып жатып алды ҳәм дуз татпады. 5Ҳаялы Изабел оның жанына келип:
– Неге руўхыңыз түскен? Неге аўқат жемей атырсыз? – деди. 6Ахаб ҳаялына:
– Мен изреелли Наботқа: «Жүзим бағыңды маған гүмиске сат, егер қәлесең, оның орнына саған басқа бир бағ берейин», – дегенимде, ол маған: «Жүзим бағымды саған бермеймен», – деп жуўап берди, – деди.
7Ҳаялы Изабел Ахабқа:
– Сиз Израилдың патшасына сай ис тутып атырсыз ба? Орныңыздан турып, нан жеп алың да, тынышланың. Изреелли Наботтың бағын сизге өзим алып беремен, – деди.
8Изабел Ахабтың атынан хат жазып, оны Ахабтың мөри менен тастыйықлады. Соң бул хатты Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклерине жиберди. 9Хатта былай деп жазылған еди: «Ораза тутыўды жәриялап, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызыңлар. 10Оның алдына: „Ҳәй Набот, сен Қудайға ҳәм патшаға тил тийгиздиң“, – деп гүўалық беретуғын еки жалахор адамды отырғызыңлар. Соңынан оны сыртқа алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер».
11Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклери Изабелдиң хат арқалы өзлерине жазған буйрығын орынлады. 12Олар ораза жәрия етип, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызды. 13Соңынан еки жарамас адам келип, Наботтың қарсы алдына отырды ҳәм халықтың алдында: «Набот Қудайға ҳәм патшаға тил тийгизди», – деп гүўалық берди. Сонда Наботты қаланың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди. 14Кейин Изабелге: «Набот тас боран қылып өлтирилди», – деп хабар жиберди. 15Изабел Наботтың тас боран қылып өлтирилгенин еситиўден, дәрриў Ахабқа: «Барып, сизге гүмиске сатқысы келмеген изреелли Наботтың жүзим бағына ийелик етиң. Себеби ол енди жоқ, өлди», – деди. 16Ахаб изреелли Наботтың өлтирилгенин есите сала, оның бағын мүлик етип алыў ушын сол жерге кетти.
17Сол ўақытта Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти: 18«Самариядағы Израил патшасы Ахабты көриўге бар. Ҳәзир ол Наботтың жүзим бағында, оны ийелеп алыў ушын сол жерге келди. 19Оған мына сөзлерди жеткиз: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен оны өлтирип, мүлкин де ийелеп алдың ба?“ Және былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ийтлер Наботтың қанын жалаған жерде, сениң қаныңды да жалайды“».
20Ахаб Илиясқа:
– Ҳәй, душпаным, мени таўып келдиң бе? – деди.
Илияс оған былай деди:
– Аўа, таўып келдим. Өйткени сиз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз ислерди ислеўге берилип кеткенсиз. 21Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Сени апатқа ушыратып, түп-тамырың менен жоқ қыламан. Израилда Ахабтың нәсилинен болған пүткил еркек затын: ол қул болса да, азат болса да, ҳәммесин қырып таслайман. 22Израилды гүнаға баслап, Мениң ғәзебимди келтиргениң ушын, сениң үй-ишиңди Набат улы Яробам ҳәм Ахия улы Баашаның үй-иши сыяқлы қыламан». 23Және де, Жаратқан Ийе Изабелге былай дейди: «Изабел Изреел қаласының дийўаллары ишинде ийтлерге жем болады. 24Ахабтың нәсилинен қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
25Ахабтай болып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге буншелли берилген адам болмады. Ҳаялы Изабел оны ийтермелеп туратуғын еди. 26Ахаб Жаратқан Ийе Израил халқы алдынан қуўып жиберген аморларға уқсап, бутларға табынып, жүдә жеркенишли ислерди иследи.
27Ахаб бул сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртып, аза кийимлерин кийди. Ораза тутты, аза кийими менен уйықлады ҳәм қайғырып жүрди.
28Сонда Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти: 29«Ахабтың Мениң алдымда қандай бойсыныўшаң болып қалғанын көрдиң бе? Ол Маған бойсынғаны ушын, Өзим айтқан бәлелерди оның ўақтында емес, ал улының ўақтында оның үй-ишиниң басына жаўдыраман».

 

22

 

Пайғамбар Миханың Ахабты ескертиўи

 

1Үш жыл даўамында Арам ҳәм Израил арасында урыс болмады. 2Үшинши жылы Яҳуда патшасы Еҳошафат Израил патшасын көриўге барды. 3Израил патшасы Ахаб хызметшилерине: «Гиладтағы Рамоттың бизлерге тийисли екенин билмейсизлер ме? Бизлер болсақ, оны Арам патшасынан қайтарып алыў ушын ҳеш нәрсе қылмадық», – деди. 4Соңынан Еҳошафаттан:
– Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады.
Еҳошафат Израил патшасына:
– Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, атларымды атларыңыздай көриң, – деп жуўап берди. 5Соңынан Еҳошафат:
– Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
6Сонда Израил патшасы төрт жүзге жақын пайғамбарды топлап, оларға:
– Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайын ба ямаса бармайын ба? – деп сорады.
Олар:
– Барың, Ийемиз қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
7Бирақ Еҳошафат:
– Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
8Израил патшасы Еҳошафатқа:
– Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди.
Еҳошафат патшаға:
– Патша, булай демеңиз, – деди.
9Сонда Израил патшасы бир хызметкерди шақырып, оған: «Имла улы Миханы тез алып кел», – деп буйырды.
10Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди. 11Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
12Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
13Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып:
– Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
14Бирақ Миха оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Жаратқан Ийе маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
15Миха патшаға келди. Патша Михадан:
– Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады.
Миха патшаға:
– Бара бериңлер, жеңесизлер. Себеби Жаратқан Ийе оны сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
16Деген менен, патша Михаға:
– Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған бир неше мәрте ант ишкизиўим керек пе? – деди.
17Сонда Миха патшаға былай деди:
– Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
18Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
19Миха патшаға былай деди:
– Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим. 20Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда, 21бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады. 22Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди.
Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди. 23Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың ҳәммесиниң аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
24Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де:
– Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
25Миха оған:
– Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
26Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Йоашқа қайтып алып барың. 27Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
28Миха патшаға: «Егер аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди.

 

Ахабтың өлими

 

29Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты. 30Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, саўашқа шықты. 31Арам патшасы өз саўаш арбаларының отыз еки әскербасысына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды. 32Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде, 33саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты. 34Бирақ бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди. 35Сол күни ғыжлаған саўаш болды. Патша өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалып, арамлыларға қарап турды ҳәм кеште өлди. Оның саўаш арбасы жараланған жеринен аққан қанға былғанды. 36Күн бата Израил ордасы ишинде: «Ҳәр ким өз қаласына, өз жерине қайтсын!» – деп жар салынды. 37Патша өлди. Оны Самарияға әкелип, сол жерде жерледи. 38Арбаны Самариядағы бузықлар жуўынатуғын ҳаўызға жуўды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ийтлер оның қанын жалады.
39Ахабтың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның пил сүйегинен қаплаған сарайы ҳәм ол қурдырған барлық қалалар ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 40Ахаб өлип, ата-бабаларына қосылды. Оның орнына баласы Ахазия патша болды.

 

Яҳуда патшасы Еҳошафат

 

41Израил патшасы Ахабтың патшалығының төртинши жылында Аса улы Еҳошафат Яҳудаға патша болған еди. 42Еҳошафат отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди. 43Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры ислерди иследи. Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. 44Еҳошафат Израил патшасы менен тынышлық келисимин дүзди.
45Еҳошафаттың басқа ислери, ол ислеген қаҳарманлықлар ҳәм жүргизген саўашлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 46Еҳошафат әкеси Асаның ўақтынан қалған сыйыныў орынларындағы бузықшылық ислеўши еркеклерди елден қуўып жиберди. 47Сол ўақытлары Эдомда патша жоқ еди, елди Яҳуда патшасы қойған ҳәким басқаратуғын еди. 48Еҳошафат Офирден алтын алып келиў ушын, Таршиш саўда кемелерин соқтырды. Бирақ кемелер ол жерге жете алмай, Эсион-Геберде апатқа ушырады. 49Сонда Ахабтың улы Ахазия Еҳошафатқа: «Мениң адамларым кемеде сизиң адамларыңыз бенен бирге барсын», – деди. Бирақ Еҳошафат буған келисим бермеди.
50Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Йорам патша болды.

 

Израил патшасы Ахазия

 

51Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он жетинши жылында Ахаб улы Ахазия Самарияда Израилға патша болды. Ол еки жыл патшалық етти. 52Ахазия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол ата-анасының ҳәм Израилды гүнаға батырған Набат улы Яробамның жолынан жүрди. 53Ахазия әкеси сыяқлы Баалға хызмет етип, оған табынды ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.

 

 

 

Патшалық ҳаққында 4-китап

Патшалықлар туўралы төртинши китап

 

 

1

 

Жаратқан Ийениң патша Ахазияны жазалаўы

 

1Израил патшасы Ахабтың өлиминен соң, моаблылар Израилға қарсы бас көтерди.
2Израил патшасы Ахазия Самариядағы сарайының жоқарғы бөлмесиниң балконынан жығылып, жарақатланды. Сонда ол адамларын жиберип, оларға: «Филистлердиң Экрон қаласындағы қудайы Баал-Зебубқа барып, оннан мениң тәўир болатуғын яки болмайтуғынымды сорап билиңлер», – деди.
3Бирақ Жаратқан Ийениң периштеси тишбели Илиясқа былай деди: «Барып, Самария патшасы жиберген адамлардың алдынан шығып, оларға былай деп айт: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын баратуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? 4Сонлықтан Жаратқан Ийе патшаңызға былай дейди: Жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“». Солай етип, Илияс тапсырманы орынлаў ушын кетти.
5Адамлар патшаның жанына қайтып келди. Патша олардан:
– Неге бунша тез қайтып келдиңлер? – деп сорады.
6Олар патшаға былай деп жуўап берди:
– Бир адам алдымыздан шығып, бизлерге былай деди: «Өзлериңизди жиберген патшаға қайтып барып, оған былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Экрон қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усы исиң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
7Патша өзи жиберген адамлардан:
– Сизлерди қарсы алып, усы сөзлерди айтқан адамның түр-түси қандай еди? – деп сорады. 8Олар патшаға:
– Ол жүннен тоқылған шапан кийип, белине тери қайыс байлаған еди, – деп жуўап берди.
Патша:
– Бул тишбели Илияс, – деди.
9Патша бир елиўбасыны елиў әскери менен бирге Илиясты алып келиўге жиберди. Елиўбасы бир төбешиктиң басында отырған Илиястың жанына барып, оған:
– Ҳәй, Қудайдың адамы, патша сени төменге түссин, – деп атыр, – деди.
10Бирақ Илияс елиўбасыға:
– Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан от түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
11Кейин патша басқа бир елиўбасыны елиў әскери менен Илиясқа жиберди. Елиўбасы Илиясқа:
– Ҳәй, Қудайдың адамы, патша саған: «Тез төменге түс», – деп атыр, – деди.
12Илияс оған:
– Егер мен Қудайдың адамы болсам, онда аспаннан от түсип, сени ҳәм елиў адамыңды жалмап кетсин, – деп жуўап берди. Сонда аспаннан Қудайдың оты түсип, елиўбасыны ҳәм оның елиў адамын жалмап кетти.
13Патша үшинши рет бир елиўбасыны елиў адамы менен Илиясқа жиберди. Бул елиўбасы төбеге шығып, Илиястың алдында диз шөкти ҳәм жалбарынып былай деди: «О, Қудайдың адамы, мениң ҳәм мына елиў қулыңның жанына реҳимиңиз келсин. 14Аспаннан от түсип, меннен алдын келген еки елиўбасыны ҳәм олардың ҳәр бириниң елиў адамын жалмап кеткен еди. Енди мениң жаныма реҳимиңиз келсин».
15Сонда Жаратқан Ийениң периштеси Илиясқа: «Оның менен бирге төменге түс, оннан қорқпа», – деди. Илияс орнынан турып, елиўбасы менен бирге патшаға кетти. 16Илияс патшаға былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Экронның қудайы Баал-Зебубтан сораў ушын адамларыңды жиберетуғындай, Израилда Қудай жоқ па еди? Усылай ислегениң ушын жатқан төсегиңнен турмай, сөзсиз өлесең“».
17Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, Ахазия өлди. Ахазияның улы болмағанлықтан, оның орнына иниси Йорам патша болды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Еҳошафат улы Йорамның патшалығының екинши жылында болды.
18Ахазия ислеген басқа ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

2

 

Илиястың аспанға алыныўы

 

1Жаратқан Ийе Илиясты қуйын ишинде аспанға көтерип алып кетпестен алдын, Илияс пенен Элиша Гилгалдан жолға шыққан еди. 2Сонда Илияс Элишаға:
– Өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Бейт-Элге жиберип атыр, – деди.
Элиша оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деп жуўап берди. Сөйтип олар бирге Бейт-Элге кетти.
3Бейт-Элдеги пайғамбарлар топары Элишаның алдынан шығып, оннан:
– Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға:
– Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди.
4Илияс Элишаға:
– Элиша, өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Ерихоға жиберип атыр, – деди. Элиша оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деди. Сөйтип олар Ерихоға келди.
5Сонда Ериходағы пайғамбарлар топары Элишаға келип:
– Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? – деп сорады. Элиша оларға:
– Аўа, билемен, үндемеңлер, – деди.
6Кейин Илияс Элишаға:
– Өтинемен, сен усы жерде қал, себеби Жаратқан Ийе мени Иордан дәрьясына жиберип атыр, – деди.
Элиша оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, – деди. Солай етип, екеўи жолын даўам етти.
7Пайғамбарлар топарынан елиўи келип, узағырақтан оларға қарап турды. Ал олар екеўи Иордан дәрьясының жағасында турды. 8Илияс шапанын алып, айландырып, суўға урып жибергенде, суў екиге айырылды. Олар екеўи қурғақ жер арқалы арғы жағаға өтти. 9Дәрьядан өтип болғаннан соң, Илияс Элишадан:
– Мени жаныңнан алып кетпестен бурын айт, меннен қандай тилегиң бар? – деп сорады. Сонда Элиша:
– Менде сиздеги руўхтың еки есеси болсын, – деди. 10Илияс оған:
– Қыйын нәрсени сорадың. Егер жаныңнан мениң қалай алып кетилгенимди көрсең, онда солай болады. Егер көрмесең, олай болмайды, – деди.
11Олар жолда сөйлесип кетип баратырғанда, тосаттан отлы арбаға жегилген отлы атлар көринди ҳәм оларды бир-биринен айырды. Илияс қуйын ишинде аспанға көтерилип кетти. 12Элиша буны көрип: «Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары!» – деп қышқырып қала берди. Элиша Илиясты қайтып көре алмайтуғын болғанлықтан, кийимлерин жыртып, екиге айырды. 13Соңынан Илиястан түсип қалған шапанды алып, изине қайтты ҳәм Иордан дәрьясының жағасына келип турды. 14Ол Илиястан түсип қалған шапан менен суўды урып: «Илиястың Қудайы, Жаратқан Ийе қай жердесең?» – деди. Кейин ол суўды қайтадан урғанда, суў қақ айырылып, Элиша сол жерден кесип өтти.
15Ериходағы пайғамбарлар топары узақтан Элишаны көргенде: «Илиястың руўхы Элишаға түсти», – дести. Олар барып, Элишаны күтип алды ҳәм баслары жерге тийгенше ийилип оған тәжим етти. 16Кейин олар Элишаға:
– Жанымызда елиў күшли адам бар. Рухсат бериң, олар барып, мырзаңызды излеп келсин. Бәлким, Жаратқан Ийениң Руўхы оны көтерип әкетип, қандай да бир таўға ямаса ойпатлыққа апарып таслаған шығар, – деди. Бирақ Элиша оларға:
– Яқ, оларды излеўге жибермеңлер, – деди. 17Деген менен, пайғамбарлар жалынып қоймай, бийзар қылғаннан соң, Элиша излеўге рухсат берди. Пайғамбарлар елиў адамды жиберди. Олар үш күн излеп, Илиясты таба алмады. 18Кейин Ерихоға, Элишаның қасына қайтып келди. Элиша оларға: «Мен сизлерге оны излемеңлер деген жоқ па едим?» – деди.

 

Элишаның суўды пәклеўи

 

19Ерихолылар Элишаға:
– Мырзамыз, өзиңиз көрип турғандай, қаланың турған жери жақсы, бирақ суўы жаман, жери де өнимсиз, – деди. 20Элиша оларға:
– Таза бир кесеге дуз салып, маған алып келиңлер, – деди. Олар солай иследи. 21Элиша булақ басына барып, дузды суўға таслады да, былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен бул суўды таза қылдым, оннан енди өлим де, өнимсизлик те келип шықпайды“». 22Элишаның айтқан сөзи бойынша, суў ҳәзирге дейин ишиўге жарамлы.

 

Элишаны масқаралаған балалар

 

23Элиша сол жерден Бейт-Элге кетти. Ол жолда кетип баратырғанда, қаладан кишкене балалар шығып: «Жоқ бол, таз, жоқ бол!» – деп масқаралай баслады. 24Ол артына қарап, балаларды көрди ҳәм оларды Жаратқан Ийениң аты менен ғарғады. Сонда тоғайдан еки урғашы айыў шығып, қырқ еки баланы тилкимлеп таслады.
25Элиша ол жерден Кармел таўына, Кармел таўынан Самарияға қайтты.

 

3

 

Израил ҳәм Моаб арасындағы урыс

 

1Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он сегизинши жылында, Ахаб улы Йорам Самарияда Израилға патша болды ҳәм он еки жыл патшалық етти. 2Йорам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеўди даўам етсе де, оның ислери өз ата-анасының ислериндей жүдә жаман болмады. Ол әкесиниң Баалға арнап соқтырған кийели тасларын алып таслады. 3Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарына ерип, олардан ўаз кешпеди.
4Моаб патшасы Меша шарўашылық пенен шуғылланатуғын еди. Ол Израил патшасына жылына жүз мың қозы ҳәм жүз мың қошқардың жүнин беретуғын еди. 5Бирақ патша Ахабтың өлиминен соң, Моаб патшасы Израил патшасына қарсы бас көтерди. 6Сол ўақытта патша Йорам Самариядан шығып, пүткил израиллыларды бир жерге топлады. 7Ол Яҳуда патшасы Еҳошафатқа: «Моаб патшасы маған қарсы бас көтерди. Моаблыларға қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба?» – деген хабар жиберди.
Еҳошафат оған: «Аўа, бараман, мени өзиңиздей, халқымды өз халқыңыздай, атларымды өз атларыңыздай көриң», – деди.
8Соңынан ол: «Бизлер қайсы жолдан барайық?» – деп сорады.
Йорам оған: «Эдом шөли арқалы», – деп жуўап берди.
9Солай етип, Израил, Яҳуда ҳәм Эдом патшалары бирге жолға шықты. Олар айланба жоллар арқалы жети күн жүргеннен кейин, суўлары таўысылып, әскерлер де, жанындағы ҳайўанлар да суўсыз қалды. 10Сонда Израил патшасы:
– Ўаҳ, Жаратқан Ийе бизлерди, үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге жыйнаған екен-дә! – деп бақырды.
11Бирақ Еҳошафат:
– Бул жерде Жаратқан Ийениң пайғамбары жоқ па? Ол арқалы Жаратқан Ийениң еркин сорап билер едик, – деди.
Сонда Израил патшасының хызметкерлеринен бири:
– Бул жерде Шафат улы Элиша бар, ол бурын Илиястың қолына суў қуйған шәкирти болған, – деп жуўап берди.
12Еҳошафат:
– Ол Жаратқан Ийениң не айтажағын биледи, – деди. Солай етип, Израил патшасы, Еҳошафат ҳәм Эдом патшасы Элишаға кетти.
13Элиша Израил патшасына:
– Сен неге маған киятырсаң? Әкең менен анаңның пайғамбарларына бар, – деди.
Израил патшасы оған:
– Яқ, себеби бул үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге топлаған – Жаратқан Ийе, – деп жуўап берди.
14Элиша оған:
– Өзим хызметинде болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы айтаман: егер Яҳуда патшасы Еҳошафатты ҳүрмет етпегенимде, саған қарамаған да, нәзер де салмаған болар едим. 15Енди маған лира шертетуғын бир сазендени алып келиң, – деди.
Сазенде келип, лира шерткенде, Жаратқан Ийениң күши Элишаның үстине түсти. 16Сонда Элиша былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бул ойпатлықтың басынан аяғына дейин орлар қазыңлар. 17Сизлер самал да, жаўын да көрмейсизлер. Бирақ мына ойпатлық суўға толып, өзлериңиз де, малларыңыз ҳәм ҳайўанларыңыз да оннан суў ишесизлер“.
18Жаратқан Ийе ушын буны ислеў аңсат. Ол моаблыларды да сизлерге тәслим етеди. 19Сонда сизлер олардың барлық қорғанлы қалаларын ҳәм бас қалаларын қыйратып, олардағы ҳәр бир мийўе ағашын кесип таслайсызлар, барлық булақларының көзлерин бекитип, өнимдар атызларының ҳәммесин таслаққа айландырып, жарамсыз қыласызлар».
20Ертеңине азанда қурбанлық берилетуғын ўақытта, бирден Эдом тәрептен суў ағып келип, жерди басып кетти.
21Моаблылар патшалардың өзлери менен урысыў ушын киятырғанын еситкенде, урысқа жарамлы үлкен-кишини топлап, шегараға келип турды. 22Олар азанда ерте турды. Қуяш көтерилип, суў бетине түскенде, бул суўлар арғы жақтағы моаблыларға қанға уқсап қызарып көринди. 23Сонда олар: «Мынаў қан-ғо. Патшалар өз ара урысып, бир-бирин қырып таслаған екен. Қәне, моаблылар, олжаға!» – деп бақырысты. 24Бирақ моаблылар Израил ордасына келгенде, израиллылар моаблыларға ҳүжим жасап, оларды қыра баслады. Сонда моаблылар қаша баслады, ал израиллылар оларды қуўыўын ҳәм қырыўын даўам етти. 25Олар қалаларды қыйратты, өнимдар атызларға ҳәр бири бир тастан ылақтырып, оларды тасқа толтырды. Суў булақларының көзлерин бекитип, мийўе ағашларын кесип таслады. Тек Кир-Харесеттиң тас дийўаллары ғана өз орнында қалды. Бирақ сақпаншылар қоршап алып, оны да қыйратты.
26Моаб патшасы өзиниң жеңилип атырғанын көргенде, жанына жети жүз қылышпазын алып, Эдом патшасының әскерлерин жарып өтпекши болды. Бирақ жарып өте алмады. 27Сонда ол өз тахтының мийрасхоры болған туңғыш улын шалып, дийўал үстинде жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Бул израиллыларда күшли ғәзеп оятты ҳәм олар қаланы тәрк етип, өз еллерине қайтып кетти.

 

4

 

Элишаның кәмбағал жесир ҳаялға жәрдем бериўи

 

1Бир күни пайғамбарлар топарынан бириниң ҳаялы дад салып келип, Элишаға:
– Қулыңыз болған күйеўим өлди. Сиз оның Жаратқан Ийеден қорқып жасағанын билесиз. Енди болса, бизге қарыз берген адам еки улымды қул қылып алып кетиўге келип тур, – деди.
2Элиша оған:
– Саған қандай жәрдем берсем екен? Айтшы, үйиңде не бар? – деди.
Ҳаял:
– Шорыңыздың үйинде кишкене бир гүзе зәйтүн майынан басқа ҳеш нәрсе жоқ, – деди. 3Элиша ҳаялға былай деди:
– Барып, ҳәмме қоңсыларыңнан бос ыдысларын сорап ал. Илажы болғанша көп ыдыс жыйна. 4Кейин улларың менен үйге кир де, қапыны илдирип алып, ыдыслардың ҳәммесине зәйтүн майын қуй. Толған ыдысларды шетке алып қоя бер.
5Ҳаял Элишаның жанынан кетти. Соңынан ол уллары менен бирге үйге кирип, есикти илдирди. Уллары ыдысларды алып берип турды, ал ҳаял майды қуйып турды. 6Ҳәмме ыдыслар толғанда, ол улларының бирине:
– Және бир ыдыс алып бер, – деди.
Улы оған:
– Басқа ыдыс қалмады, – деп жуўап берди. Сонда майдың ағыўы да тоқтады.
7Ҳаял келип, Қудайдың адамына болған ўақыяны айтып берди. Ол ҳаялға: «Барып, майды сат та, қарызыңды төле. Қалғанын улларың менен бирге күн көрисиң ушын пайдалан», – деди.

 

Элиша ҳәм шунемли ҳаял

 

8Бир күни Элиша Шунемге келди. Ол жерде жасайтуғын бир абырайлы ҳаял Элишаны үйине мирәт етип, аўқатланыўға көндирди. Соңын ала Элиша Шунемнен ҳәр өткенде, аўқатланыў ушын сол үйге баратуғын болды. 9Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин ҳаял күйеўине: «Бул жерден тез-тез өтип туратуғын сол адамның Қудайдың мухаддес адамы екенин билдим. 10Кел, үйимиздиң үстине кишкене бир бөлме салып, ишине көрпе-төсек, стол, отырғыш ҳәм шыра қояйық. Ол бизлерге келгенде, сол жерде болады», – деди.
11Бир күни Элиша келип, жоқарғы бөлмеге шығып жатты. 12Ол хызметшиси Гехазийге: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды, ҳаял Элишаның алдына келгенде, 13Элиша Гехазийге былай деди: «Ҳаялға былай деп айт: „Бизлерге көрсетип атырған ғамхорлығыңды саған не менен қайтарайық? Сен ҳаққында патша менен ямаса сәркәрда менен сөйлесейин бе?“»
Ҳаял оған: «Яқ, рахмет. Мен өз халқымның арасында кемшиликсиз жасап атырман, ҳәмме нәрсем бар», – деди.
14Соңынан Элиша Гехазийге:
– Онда, бул ҳаял ушын не ислесем екен? – деди.
Гехазий:
– Оның улы жоқ екен, күйеўи де қартайып қалыпты, – деди. 15Элиша:
– Ҳаялды шақыр, – деди. Гехазий ҳаялды шақырды. Ол келип, қапының аўзында турды. 16Элиша ҳаялға:
– Келеси жылы усы ўақытта баўырыңда бир улың болады, – деди.
Ҳаял оған:
– Яқ мырзам, Қудайдың адамы, шорыңызды алдамаң, – деди.
17Бирақ Элишаның айтқанындай, ҳаял ҳәмиледар болып, келеси жылы сондай ўақытта бир ул туўды. 18Бала өсти. Ол бир күни орақшылардың басында болып атырған әкесиниң жанына барды. 19Сол жерде бала бирден әкесине: «Ўай, басым аўырып тур, ўай басым!» – деп бақыра баслады.
Әкеси хызметшисине: «Баланы анасына алып бар», – деди. 20Хызметши баланы көтерип, анасына алып келди. Бала түске дейин анасының дизесинде отырып, кейин қайтыс болды. 21Ҳаял жоқарғы бөлмеге шығып, баланы Қудайдың адамының төсегине жатқызды да, есикти жаўып, сыртқа шықты. 22Ол күйеўин шақырып:
– Илтимас, маған бир хызметши менен бир ешек жиберсең. Мен тез Қудайдың адамына барып келемен, – деди. 23Күйеўи оған:
– Не ушын оған бүгин барғың келип қалды? Бүгин Жаңа ай байрамы да, Шаббат күни де емес ғой, – деди.
Бирақ ҳаял:
– Зыяны жоқ, – деди.
24Ҳаял ешекти ертлеп, хызметшисине: «Ешекти айда, мен айтпағанымша жүристи пәсейтпе», – деди.
25Ҳаял кетип, Кармел таўына, Қудайдың адамының жанына жақынлады. Қудайдың адамы ҳаялды узақтан көргенде, хызметшиси Гехазийге: «Қара, шунемли ҳаял киятыр! 26Тез алдынан шығып оннан: „Қалайсаң, күйеўиң ҳәм балаң қалай?“ – деп сора», – деди. Ҳаял Гехазийге: «Ҳәммеси жақсы», – деп жуўап берди.
27Ҳаял таўға шығып, Қудайдың адамының жанына келди де, оның аяқларына жабысты. Гехазий ҳаялды шетке шығармақшы болғанда, Қудайдың адамы оған: «Оған тийме, оның кеўли қабарған, ал Жаратқан Ийе буны меннен жасырып, айтпады», – деди.
28Ҳаял оған: «Мырзам, мен сизден ул сорап па едим? „Мени алдамаңыз“, – деген жоқ па едим?» – деди.
29Сонда Элиша Гехазийге: «Белиңди буўып, мениң таяғымды қолыңа ал да, жолға шық. Егер биреўди ушыратсаң, сәлем берме, егер биреў саған сәлем берсе, сәлемин алма. Барып, таяғымды баланың бетине қой», – деди.
30Баланың анасы Элишаға: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизсиз ҳеш жаққа кетпеймен», – деди. Сонлықтан Элиша да ҳаялға ерип жолға шықты. 31Гехазий олардан алдынырақ барып, таяқты баланың бетине қойды. Бирақ сес те, тирилик белгиси де болмағаннан соң, Гехазий олардың алдынан шығып: «Бала тирилмеди», – деп хабарлады.
32Үйге киргенде, Элиша өзиниң төсегинде өлген баланың жатырғанын көрди. 33Ол бөлмеге кирип, есикти жаўды ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти. 34Кейин ол төсекке шығып, баланың үстине жатты. Аўзын баланың аўзына, көзлерин көзлерине, алақанларын алақанларына қойып, баланың үстине созылып жатқанда, баланың денеси ысый баслады. 35Ол турып, бөлмениң ишинде ояқтан-буяққа жүрди, соңынан және барып, баланың үстине созылып жатты. Бала жети рет түшкирди де, көзлерин ашты. 36Элиша Гехазийди шақырып оған: «Шунемли ҳаялды шақыр», – деди. Ол ҳаялды шақырды. Ҳаял келгенде, Элиша оған: «Улыңды ал», – деди. 37Ҳаял Элишаның аяқларына жығылып, басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Соңынан улын алып, шығып кетти.

 

Және еки кәрамат

 

38Элиша Гилгалға қайтып келди. Ол жерди ашлық жайлаған болып, пайғамбарлар топарындағылар оның алдында отырған еди. Ол хызметшисине: «Үлкен қазанды отқа қойып, пайғамбарлар топарындағыларға сорпа писирип бер», – деди. 39Сонда олардың бири көк шөп терип келиў ушын атызға кетти ҳәм ийт түйнекти таўып, оның жемисине етегин толтырып келди. Аўқат писирип атырғанлар оның не екенин билмей, майдалап туўрап қазанға салып жиберди. 40Аўқат ҳәммеге қуйып берилди. Бирақ адамлар аўқатты татып көриўден: «Ҳәй, Қудайдың адамы! Мына аўқат зәҳәр-ғо», – деп бақырыса баслады. Ҳеш ким оны ише алмады. 41Сонда Элиша: «Ун алып келиңлер», – деди. Ол унды қазанға салды да: «Енди адамларға қуйып бериңлер, ишсин», – деди. Қазанда зыянлы ҳеш нәрсе қалмады.
42Бир күни Баал-Шалишадан бир адам Қудайдың адамына өзиниң арпасының биринши зүрәәтинен жабылған жигирма нан ҳәм таза жыйналған бийдайдың масақларынан дорбасына салып алып келди. Элиша хызметшисине:
– Адамларға үлестирип бер, жесин, – деди.
43Хызметшиси оған:
– Бул жүз адамға не болады? – деди.
Элиша оған:
– Адамларға үлестирип бер, жесин. Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: „Жеп тояды, аўысып та қалады“, – деди.
44Сонда хызметши оларды адамлардың алдына қойды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олар жеп тойды ҳәм аўысып та қалды.

 

5

 

Нааманның жаман тери кеселлигинен жазылыўы

 

1Арам патшасының сәркәрдасы Нааман өз мырзасы ушын уллы ҳәм ҳүрметли адам еди. Себеби Жаратқан Ийе арамлыларға ол арқалы жеңис сыйлаған еди. Нааман мәрт жаўынгер еди, бирақ ол жаман тери кеселлигине жолыққан еди. 2Бурын арамлылар бир шабыўыл жасағанында, Израилдан бир кишкене қызды тутқын етип алып келген еди. Бул қыз Нааманның ҳаялына хызмет ететуғын еди. 3Бир күни ол өз бийкесине: «Қәнекей, мырзам Самариядағы пайғамбарға барғанда ма еди, ол оны тери кеселлигинен азат еткен болар еди», – деди.
4Буны еситкенде, Нааман барып, израиллы қыздың айтқанларын өз мырзасына, патшаға айтып берди. 5Арам патшасы Нааманға: «Жолға атлан, мен Израил патшасына хат жазып беремен», – деди. Ол он талант гүмис, алты мың шекел алтын ҳәм он қатар кийим алып, жолға шықты. 6Ол хатты Израил патшасына әкелип берди. Хатта былай деп жазылған еди: «Бул хат пенен бирге қулым Нааманды сизге жиберип атырман. Оны тери кеселлигинен азат етиўиңизди қәлеймен».
7Израил патшасы хатты оқып көрди де, кийимлерин жыртып: «Адамның тери кеселлигин жазыў ушын маған адам жиберетуғындай, мен не жан алып жан беретуғын Қудай ма едим? Мине, көриңлер ҳәм билип қойыңлар, ол мениң менен урысыў ушын себеп излеп атыр», – деп бақырды.
8Израил патшасының кийимлерин жыртқанын еситкен Қудайдың адамы Элиша патшаға: «Неге кийимлериңизди жырттыңыз? Ол адамды маған жибериң, Израилда бир пайғамбар бар екенин билип қойсын», – деген хабар жиберди. 9Солай етип, Нааман атлары ҳәм арбалары менен Элишаның үйиниң есигиниң алдына келип турды. 10Сонда Элиша хабаршысын жиберип, ол арқалы Нааманға былай деди: «Барып, Иордан дәрьясына жети рет жуўын, сонда териң жаңарып, пәк боласаң».
11Нааман буған қатты ашыўланып: «Мен, ол алдымнан шығып, өз Қудайы Жаратқан Ийениң атын айтып шақырады ҳәм кеселленген жериме қолын қойып, оны жазады деп ойлаған едим. 12Дамасктеги Абана ҳәм Парпар дәрьялары Израилдағы барлық дәрьялардың суўларынан артық емес пе? Мен оларда-ақ жуўынып, пәкленип алмас па едим?» – деди де, ашыўға буўлығыўы менен бурылып кетти.
13Бирақ Нааманның хызметшилери жанына келип: «Мырзам, егер пайғамбар сизге қыйынырақ бир исти исле дегенде, ислемес пе едиңиз? Ол сизге тек: „Барып жуўын, тазаланасаң“, – деди-ғо», – деди. 14Буннан соң, Нааман Қудайдың адамының сөзи бойынша Иордан дәрьясына барып, жети рет сүңгиди. Сонда оның денеси нәрестениң денесиндей тап-таза болды ҳәм ол пәкленди.
15Нааман барлық адамлары менен бирге Қудайдың адамына қайтып келди ҳәм оның алдында турып былай деди:
– Мине, енди пүткил жер бетинде Израилдың Қудайынан басқа қудайдың жоқ екенин билдим. Өтинемен, қулыңыздың мына саўғасын қабыл етиң, – деди.
16Бирақ Элиша оған:
– Өзим хызметинде болған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳеш нәрсе алмайман, – деди.
Нааман Элишаны алыўға көндирмекши болды, бирақ ол алмады. 17Сонда Нааман былай деди:
– Онда маған усы жердиң топырағынан еки ғашырым көтере алғандай топырақ алыўға рухсат бериң. Өйткени қулыңыз болған мен ендигиден былай Жаратқан Ийеден басқа ҳеш бир қудайға жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар бермеймен. 18Бирақ мына жағдайда Жаратқан Ийе қулын кешириўин өтинемен: мырзам Риммонның бутханасына табыныў ушын барғанда, ол мениң қолыма сүйенеди. Сол ўақытта, Риммонның бутханасында мен де оның менен бирге тәжим қыламан. Сонда Жаратқан Ийе мени кеширсин.
19Элиша оған:
– Аман-есен кете бер, – деди. Нааман сол жерден шығып, бираз узақласқанда, 20Қудайдың адамы болған Элишаның хызметшиси Гехазий ишинен былай деди: «Мырзам бул арамлы Нааманның әкелген саўғаларын алыўдан бас тартты. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен оның изинен қуўып жетип, оннан бир нәрселер аламан».
21Солай етип, Гехазий Нааманды қуўып кетти. Нааман изинен биреўдиң қуўып киятырғанын көргенде, арбадан түсти де, оны қарсы алып:
– Аманлық па? – деп сорады.
22Гехазий оған:
– Аманлық, – деп жуўап берди. – Мырзам мени: «Жаңа ғана Эфрайымның таўлы үлкесиндеги пайғамбарлар топарынан еки жигит келип қалды. Оларға бир талант гүмис ҳәм еки қатар кийим берсин», – деген хабар менен жиберди.
23Нааман:
– Өтинемен, еки талант гүмис ал, – деди. Оны көндирип, еки талант гүмисти еки дорбаға салып байлады ҳәм еки қатар кийим қосып берип, оларды өзиниң еки хызметшисине көтертти. Олар Гехазийдиң алдында жүрди. 24Төбешикке жеткенде, Гехазий затларды олардың қолынан алып, үйге жасырды ҳәм адамларды изине қайтарып жиберди. 25Кейин өзи Элишаның алдына келди. Элиша оннан:
– Гехазий қай жақтан киятырсаң? – деп сорады.
Гехазий:
– Қулыңыз ҳеш жаққа бармады, – деп жуўап берди.
26Сонда Элиша оған:
– Сол адам арбасынан түсип, сени қарсы алғанда руўхым сениң менен бирге емес пе еди? Ҳәзир гүмис, кийим, зәйтүн ҳәм жүзим бағларын, майда ҳәм ири маллар, қул ҳәм шорылар алатуғын ўақыт па? 27Усы исиң ушын Нааманның жаман тери кеселлиги мәңгиге саған ҳәм сениң урпағыңа жабыссын, – деди. Гехазий Элишаның алдынан шыққанда, оның жаман тери кеселлигине шалынған денеси қардай аппақ еди.

 

6

 

Балтаның басының суў бетине қалқып шығыўы

 

1Бир күни пайғамбарлар топарындағылар Элишаға:
– Қараң, сизиң жаныңыздағы бизлер жасайтуғын жер жүдә тар. 2Сонлықтан Иордан дәрьясының бойына барайық ҳәм ҳәр қайсысымыз бир ағаштан кесип алып, сол жерге баспана қурайық, – деди.
Элиша оларға:
– Барыңлар, – деди. 3Олардан бири:
– Илтимас, сиз де бизлер менен бирге жүриң, – деди.
Элиша оған:
– Яқшы, бараман, – деди де, 4олар менен бирге кетти. Олар Иорданға келип, ағаш кесе баслады. 5Олардан бири ағаш шаўып атырғанда, балтасының басы суўға түсип кетти. Сонда ол:
– Ўай, мырзам, балтаны аз-маз ўақытқа сорап алған едим! – деп шырлап қоя берди.
6Қудайдың адамы оннан:
– Ол қай жерге түсти? – деп сорады. Сол адам балтаның басы түскен жерди көрсетти. Элиша бир шақаны кесип алып, сол жерге ылақтырып жибергенде, балтаның басы суўдың бетине қалқып шықты. 7Элиша: «Оны ал», – деди. Адам қолын созып, балтаның басын алды.

 

Арам әскерлери ҳәм Элиша

 

8Арам патшасы Израилға қарсы урысқа атланды. Ол өз хызметшилери менен мәсләҳәтлескеннен соң: «Мен мына ҳәм мына жерлерге орда қураман», – деди.
9Қудайдың адамы Израил патшасына: «Ол жерден өтпең, себеби арамлылар сол жерге буққы таслап жатыр», – деген хабар жиберди. 10Сонда Израил патшасы Қудайдың адамының айтқан жерин тексерип көрди. Бир емес, бир неше мәрте Элиша патшаға алдын ала ескертти. Солай етип, патша сол жерлерге барғанда сақ болды. 11Буған Арам патшасының қатты ашыўы келди ҳәм хызметшилерин шақырып, оларға:
– Маған айтыңлар, қайсы бириңиз Израил патшасының жансызысыз? – деди. 12Сонда хызметшилерден бири:
– Тақсыр, ҳеш биримиз. Буларды Израил патшасына билдирип туратуғын Израилда жасайтуғын пайғамбар Элиша болады. Ол ҳәтте, жататуғын бөлмеңизде айтылғанларды да оған жеткизип турады, – деди.
13Патша:
– Онда барып, оның қай жерде екенин билиңлер. Адам жиберип, оны қолға түсирейин, – деди. Патшаға: «Элиша Дотанда екен», – деп хабарлады. 14Патша ол жерге атлар, саўаш арбаларын ҳәм ләшкерлер топарын жиберди. Олар түнде келип, қаланы қоршап алды.
15Қудайдың адамының хызметшиси азанда ерте турып, сыртқа шықса, қала әтирапының ләшкерлер, атлар ҳәм саўаш арбалары менен қоршалғанын көрди. Ол Элишаға:
– Ўай мырзам, енди не қыламыз? – деди.
16Элиша оған:
– Қорқпа, себеби бизлердиң тәрепдарларымыз олардикинен көп, – деди. 17Соңынан Элиша: «Жаратқан Ийе, ол көриўи ушын, оның көзлерин аша гөр», – деп дуўа етти. Жаратқан Ийе хызметшиниң көзлерин ашты. Сонда ол Элишаның дөгерегиндеги таўлардың отлы атлар менен саўаш арбаларына толып турғанын көрди.
18Арамлылар Элишаға ҳүжим қыла баслағанда, Элиша Жаратқан Ийеге дуўа етип: «Бул адамларды соқыр қылып таслай гөр», – деди. Элишаның сөзине гөре, Жаратқан Ийе оларды соқыр қылып таслады.
19Кейин Элиша оларға: «Жолдан адасыпсыз, сизлер излеген қала бул емес. Маған ериңлер, сизлерди излеген адамыңыздың алдына алып бараман», – деди де, оларды Самарияға баслап келди. 20Олар Самарияға келгенде, Элиша: «О, Жаратқан Ийе! Олар көриўи ушын олардың көзлерин аша гөр», – деди. Жаратқан Ийе олардың көзлерин ашты ҳәм олар өзлериниң Самарияның ортасында турғанын көрди.
21Израил патшасы оларды көргенде Элишаға:
– Мырзам, оларды қырып таслайын ба? – деди.
22Элиша патшаға:
– Яқ, қырып тасламаң. Оларды өлтиретуғындай, сиз оларды өз қылышыңыз ҳәм өз оқ жайыңыз бенен қолға алып па едиңиз? Оларға нан ҳәм суў бериң, ишип-жесин ҳәм өз ҳүкимдарына қайтсын, – деди.
23Патша арамлылар ушын үлкен зыяпат берди ҳәм ишип-жеп болғаннан кейин, оларды өз ҳүкимдарына қайтарып жиберди. Буннан соң, арамлы басқыншылар Израил жерине қайтып келмеди.

 

Самариядағы ашлық

 

24Кейинирек Арам патшасы Бен-Ҳадад өзиниң барлық әскерлерин жыйнап келип, Самарияны қамал қылды. 25Олар қаланы қамал қылып турғанда, онда қатты ашлық болды. Сөйтип бир ешектиң геллеси сексен шекел гүмиске, бир уўыс кептер қыйы[1] бес шекел гүмиске сатылды.
26Бир күни Израил патшасы қала дийўалы үсти менен кетип баратырғанда, бир ҳаял:
– Тақсыр, жәрдем бериң, – деп дад салды.
27Патша оған:
– Егер Жаратқан Ийе саған жәрдем бермесе, мен қалай жәрдем бере аламан? Бийдай да, шарап та бере алмайман, – деди де, 28соңынан: – Не демекшисең? – деди.
Ҳаял былай деди:
– Мына ҳаял маған: «Улыңды бер, оны бүгин жейик, ал меникин ертең жеймиз», – деген еди. 29Сөйтип бизлер улымды писирип жедик. Ертеңине мен оған: «Улыңды бер, жейик», – десем, ол улын жасырып таслады.
30Патша ҳаялдың сөзин еситкенде, кийимлерин жыртып, дийўалдың үсти бойлап жүрди. Сонда халық оның иштен аза кийимин кийип жүргенин көрди. 31Патша: «Егер усы бүгин Шафат улы Элишаның басы денесинен жуда қылынбаса, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын», – деди.
32Элиша ақсақаллар менен өз үйинде отырған еди. Патша бир адамды Элишаға жиберди. Сол адам еле Элишаға жетип келместен алдын Элиша ақсақалларға: «Бул қанхордың мениң басымды кестириў ушын адам жиберип атырғанын көрип турсыз ба? Сол адам келгенде, қапыны илип таслаң, оны ишке киргизбең. Оның изинде мырзасының да аяқ сеслери еситилип тур», – деди.
33Элиша еле олар менен сөйлесип отырғанда, патша оның алдына келип: «Мине, Жаратқан Ийе қандай апатшылық жиберди! Енди Жаратқан Ийеден не күте аламан?» – деди.

 

7

 

1Элиша буған былай деп жуўап берди:
– Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! Жаратқан Ийе былай дейди: «Ертең усы ўақытта Самария дәрўазасындағы базарда бир сеа[2] сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылады».
2Сонда патша сүйенип жүретуғын әскербасы Қудайдың адамына:
– Егер Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, булай бола қоймас, – деди.
Элиша оған:
– Сен ҳәммесин өз көзиң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди, – деди.

 

Қамал етиўдиң тоқтаўы

 

3Қала дәрўазасының сыртында жаман тери кеселлигине шалынған төрт адам бар еди. Олар бир-бирине: «Өлимимизди күтип бул жерде отыра берип не қыламыз? 4Қалаға кирейик десек, ол жерде ашлық болып атыр, ашлықтан өлемиз. Ал бул жерде отыра берсек те, өлемиз. Жақсысы, арамлылардың ордасына барайық. Егер өлтирмесе, тири қалармыз, өлтирсе өлип кетермиз», – деди.
5Олар арамлылардың ордасына барыў ушын таң қараңғысында турып, орданың шетине келсе, ол жерде бирде бир адам жоқ екен. 6Себеби Ийемиз Арам ордасына саўаш арбаларының тақыр-туқырлысын, атлардың киснеўин ҳәм көп әскерлердиң шаўқым-сүренин еситтирген еди. Сонда арамлылар бир-бирине: «Израил патшасы бизлерге ҳүжим жасаў ушын Хетт ҳәм Мысыр патшаларын жаллап алған қусайды», – дести. 7Олар таң қараңғысында шатырларын, атларын, ешеклерин яғный пүткил ордасын таслап, бас саўғалап қашып кеткен еди.
8Жаман тери кеселлиги болған адамлар орданың шетине келип, бир шатырға кирди ҳәм ишип-жеди. Ол жерден гүмис, алтын ҳәм кийимлер алып, оларды жасырып қайтты. Кейин қайтып келип, басқа шатырға кирди ҳәм ол жерден алғанларын да апарып жасырып қойды.
9Соңынан бир-бирине: «Бизлердиң бул исимиз дурыс емес. Бүгин қуўанышлы хабарлар күни. Егер бизлер айтыўға асықпай, ертең күн шыққанға дейин күтсек, онда жазаға тартыламыз. Жүриң, патша сарайына барып, хабар берейик», – деди.
10Солай етип, олар келип, қала дәрўазасының қараўылларын шақырып, оларға былай деди: «Бизлер арамлылардың ордасына барып едик. Ол жерде бир де бир адам жоқ, адамның даўысы да еситилмейди. Тек байланған атлар менен ешеклер ҳәм қалай болған болса солай қалған шатырлар бар екен». 11Дәрўаза қараўыллары жар салып, хабарды патша сарайына жеткизди. 12Патша түн ортасында төсегинен турып, хызметшилерине:
– Арамлылардың қандай жоба дүзип атырғанын сизлерге айтып қояйын: олар бизлердиң ашаршылықты бастан кеширип атырғанымызды биледи. Олар: «Израиллылар қаладан шыққанда, оларды тирилей қолға түсирип, қалаға кирип аламыз», – деп ойлап, атызларға жасырыныў ушын, шатырларын таслап кеткен, – деди.
13Сонда хызметшилеринен бири патшаға:
– Қалада қалған бес атты алып, жағдайды билип келиў ушын бир неше адам жиберейик. Ол жерге барғанлар да, қалада қалғанлар да бәри бир өледи, – деди.
14Олар ҳәр бирине жуп аттан жегилген еки саўаш арбасын алды. Патша: «Барып, көриңлер», – деп оларды арам әскерлериниң изинен жиберди. 15Олар арамлылардың изи менен Иордан дәрьясына дейин барды. Пүткил жол бойы арамлылардың асығып қашып баратырып ылақтырып кеткен кийим ҳәм затларына толы еди. Жиберилген адамлар қайтып келип, жағдайды патшаға жеткизди. 16Сонда халық қаладан шығып, Арам ордасын талан-тараж қылды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша, бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылды.
17Патша өзи сүйенип жүретуғын әскербасыны дәрўаза аўзына қойған еди. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди. Патша Қудайдың адамының алдына барғанда, ол патшаға усылай болатуғынын айтқан еди. 18Ҳәммеси Қудайдың адамының патшаға айтқанындай болды. Ол патшаға: «Ертең усы ўақытларда Самария дәрўазасындағы базардың алдында еки сеа арпа да, бир сеа сапалы ун да бир шекелге сатылады», – дегенде, 19усы әскербасы Қудайдың адамына: «Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, бундай бола қоймас», – деп жуўап берген еди. Сонда Элиша оған: «Сен буны өз көзлериң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди», – деген еди. 20Солай болды да. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди.

 

8

 

Шунемли ҳаялдың қайтып келиўи

 

1Элиша өзи өлимнен тирилткен баланың анасына: «Үй-ишиң менен көшип кетип, жасай алғандай жерде жасап тур. Себеби Жаратқан Ийе елге жети жыллық ашлық жибериўди қарар етти», – деди. 2Ҳаял Қудайдың адамының сөзи бойынша, үй-иши менен бирге көшип кетип, жети жыл филистлердиң жеринде жасады.
3Арадан жети жыл өткеннен соң, ҳаял филистлердиң жеринен қайтып келди ҳәм үйи менен жерлериниң қайтарып берилиўин сораў ушын патшаның алдына келди. 4Сол ўақытта патша Қудайдың адамының хызметшиси Гехазий менен сөйлесип отырған болып, оған: «Маған Элиша ислеген ҳәмме уллы ислер ҳаққында айтып бер», – деген еди. 5Ол Элишаның өлген адамды тирилткени ҳаққында айтып берип атырған ўақытта, Элиша улын тирилткен ҳаял үйи менен жерлериниң қайтып берилиўин сорап патшаға келди. Сонда Гехазий патшаға: «Тақсыр, мен айтқан ҳаял мынаў, ал қасындағы бала сол Элиша тирилткен бала», – деди. 6Патша ҳаялдан сорағанда, ол ҳәммесин айтып берди. Патша ҳаялға бир сарай хызметшисин қосып жиберип: «Оған тийисли ҳәмме нәрсе, елден кеткен күннен баслап, усы күнге шекемги жеринен алынған ҳәмме пайдасы менен бирге қайтарып берилсин», – деди.

 

Элиша ҳәм Арам патшасы Бен-Ҳадад

 

7Бир күни Элиша Дамаскке келди. Сол ўақытта Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырып атырған еди. Патшаға: «Қудайдың адамы усы жерге келди», – деп хабарлады. 8Сонда патша Хазаел деген хызметшисине: «Саўғаға бир нәрселер ал да, Қудайдың адамының алдынан шық ҳәм мениң бул аўырыўдан жазылатуғын яки жазылмайтуғынымды ол арқалы Жаратқан Ийеден сора», – деди.
9Хазаел саўғаға Дамасктеги ең жақсы затлардан қырқ түйеге артып, Қудайдың адамын күтип алыўға кетти. Ол Элишаның алдына келип, оған:
– Қулыңыз, Арам патшасы Бен-Ҳадад аўырыўынан жазылатуғын яки жазылмайтуғынын сораў ушын мени сизге жиберди, – деди.
10Элиша оған:
– Барып оған: «Пүткиллей саўалып кетеди екенсиз», – деп айт. Бирақ Жаратқан Ийе маған оның сөзсиз өлетуғынын аян қылды, – деди. 11Хазаел уяттан қызарып кеткенше, Қудайдың адамы оған тигилип қарап турды, соңынан жылап жиберди.
12Хазаел оннан:
– Мырзам, неге жылайсыз? – деп сорады.
Элиша оған:
– Себеби мен сениң Израил халқына ислейтуғын жаўызлықларыңды билемен. Сен олардың қорғанлы қалаларын өртеп, жигитлерин қылыштан өткизесең, емизиўли нәрестелерди жерге урып өлтиресең, жүкли ҳаяллардың қарынларын жарып таслайсаң, – деп жуўап берди.
13Сонда Хазаел:
– Бундай үлкен ислерди ислей алатуғындай, көпектен парқы болмаған бул қулыңыз ким болыпты? – деди.
Элиша оған:
– Жаратқан Ийе маған сениң Арам патшасы болатуғыныңды көрсетти, – деди.
14Хазаел Элишаның қасынан кетип, өз ҳүкимдарына келди. Бен-Ҳадад оннан:
– Элиша саған не деди? – деп сорады.
Ол:
– Элиша маған сизиң пүткиллей саўалып кететуғыныңызды айтты, – деп жуўап берди. 15Бирақ ертеңине Хазаел бир көрпени суўға малып алып, оны патшаның бетине басып, патшаны туншықтырып өлтирди. Сөйтип оның орнына өзи патша болды.

 

Яҳуда патшасы Йорам

 

16Израил патшасы Ахаб улы Йорамның патшалығының бесинши жылында Еҳошафат еле Яҳудаға патша болып турған ўақытта, Еҳошафаттың улы Йорам да Яҳудаға патша болды. 17Йорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. 18Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислер иследи. 19Бирақ Жаратқан Ийе қулы Даўыттың ҳүрмети ушын Яҳуданы жоқ қылғысы келмеди. Себеби Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
20Йорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды. 21Йорам пүткил саўаш арбалары менен бирге Саирге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Йорам түнде турып, қамалды жарып шықты. Оның әскерлери де өз үйлерине қарай қашты. 22Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да қозғалаң көтерген еди.
23Йорамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 24Йорам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының қасына жерленди. Оның орнына улы Ахазия патша болды.

 

Яҳуда патшасы Ахазия

 

25Израил патшасы Ахаб улы Йорамның патшалығының он екинши жылында, Йорам улы Ахазия Яҳудаға патша болды. 26Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы[3] болып, аты Аталия еди. 27Ахазия Ахабқа қуда-тамыр болғанлығы себепли, Ахабтың урпағының жолынан жүрди ҳәм оларға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди иследи.
28Ахазия Арам патшасы Хазаелге қарсы урысыў ушын, Ахаб улы Йорам менен бирге Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Йорамды жарадар етти. 29Патша Йорам жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Йорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Йорамды көриў ушын Изреелге келди.

 

9

 

Еҳудың Израилға патша болыўы

 

1Сол күнлери пайғамбар Элиша пайғамбарлар топарындағылардан бирин шақырып, оған былай деди: «Белиңди буўып, мына зәйтүн майы қуйылған ыдысты ал да, Гиладтағы Рамотқа бар. 2Сол жерге барыўдан Нимшийдиң ақлығы Еҳошафаттың улы Еҳуды тап. Оны жолдасларының арасынан шақырып алып, ишки бөлмеге алып бар. 3Кейин зәйтүн майы қуйылған ыдысты алып, майды оның басына қуй ҳәм оған былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“. Соңынан иркилмей, қапыны аш та қаш».
4Солай етип, пайғамбардың хызметши жигити Гиладтағы Рамотқа кетти. 5Жигит сол жерге жетип барғанда, әскербасылардың бир жерге жыйналып отырғанын көрди. Ол:
– Ҳәй әскербасы, сизге айтар гәпим бар, – деди.
Еҳу оннан:
– Қайсы биримизге? – деп сорады.
Жигит оған:
– Сизге, әскербасы, – деди.
6Еҳу орнынан турып, үйге кирди. Жигит зәйтүн майын Еҳудың басына қуйды да былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, халқым Израил үстинен патша етип қойдым. 7Сен мырзаң Ахабтың урпағын қырып таслайсаң. Мениң қулларым болған пайғамбарларымның ҳәм барлық қулларымның төгилген қаны ушын Мен Изабелден өш аламан. 8Ахабтың пүткил урпағы жоқ болады. Израилда Ахабтың урпағынан болған ҳәр бир еркек затын, азат болсын, қул болсын ҳәммесин жоқ қыламан. 9Набат улы Яробам менен Ахия улы Баашаның урпағына не қылған болсам, Ахабтың урпағына да соны ислеймен. 10Изабелдиң денесин Изреел жеринде ийтлерге жем қыламан ҳәм оның денеси көмиўсиз қалады“».
Жигит усыларды айтып бола сала, қапыны ашып, қашып кетти.
11Еҳу шығып, патшаның әскербасыларының жанына келгенде, олардан бири Еҳудан:
– Тынышлық па? Ана телбе саған неге келипти? – деп сорады.
Еҳу оған:
– Сизлер оның ким екенин де, не айтатуғынын да билесиз-ғо, – деп жуўап берди.
12Олар:
– Сен алдап турсаң, бизлерге де айтшы, – деди.
Еҳу оларға былай деди:
– Ол маған мына нәрселерди айтты: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сени майлап, Израил үстинен патша етип қойдым“».
13Сонда олар асығыс түрде шапанларын шешип, оларды Еҳу турған текшеге төседи ҳәм кәрнай шалып: «Еҳу патша болды!» – деп жар сала баслады.

 

Еҳудың Йорамды өлтириўи

 

14Солай етип, Нимшийдиң ақлығы Еҳошафат улы Еҳу Йорамға қарсы тил бириктирди. Сол ўақытлары Йорам Израил халқы менен бирге Гиладтағы Рамотты Арам патшасы Хазаелден қорғап турған еди. 15Бирақ патша Йорам Арам патшасы Хазаел менен болған урыста жарақатланып, емлениў ушын Изреелге қайтқан еди. Еҳу қасындағыларға былай деди: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз, онда ҳеш бир адамның бул қаладан шығып кетип, Изреелге хабар жеткериўине жол қоймаңлар». 16Соңынан Еҳу саўаш арбасына минип, Йорам жатырған жерге, Изреелге келди. Яҳуда патшасы Ахазия да Йорамды көриў ушын сол жерге келген еди.
17Изреелдеги минара үстинде турған гүзетши Еҳудың әскерлери менен жақынласып киятырғанын көрип: «Әскерлер топарын көрип турман», – деп бақырды. Йорам: «Оларды қарсы алып, не ушын киятырғанын билип келиў ушын бир атлыны жибер», – деди.
18Атлы Еҳуды қарсы алыў ушын кетти ҳәм оған:
– Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди.
Еҳу оған:
– Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди.
Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады», – деп хабарлады.
19Сонда екинши бир атлы жиберилди. Атлы оларға барып:
– Патшамыз: «Тынышлық па?» – деп сорап атыр, – деди.
Еҳу оған:
– Тынышлық па, жоқ па, саған не? Оннанша мениң изиме ер, – деди.
20Гүзетши: «Атлы олардың жанына жетип барды, бирақ изине қайтпады. Киятырған адамның арбасының жүриси Нимший улы Еҳудикине уқсайды. Себеби ол қутырып шаўып киятыр», – деп хабарлады.
21Сонда Йорам: «Арбаны жегиңлер!» – деп буйырды. Оның арбасын жекти. Израил патшасы Йорам ҳәм Яҳудия патшасы Ахазия ҳәр бири өз арбасына минип, Еҳуды қарсы алыўға шықты ҳәм олар изреелли Наботтың атызында ушырасты. 22Йорам Еҳуды көргенде, оннан:
– Еҳу, тынышлық па? – деп сорады.
Еҳу оған:
– Анаң Изабел баслаған бутпаразлық ҳәм сыйқыршылықлар даўам етер екен, қалай тынышлық болсын? – деп жуўап берди.
23Сонда Йорам Ахазияға: «Сатқынлық бул, Ахазия, сатқынлық!» – деп бақырыўы менен арбасының дизгинин бурып, қаша жөнелди.
24Ал Еҳу оқ жайын бар күши менен керип, Йорамның жаўырынына атты ҳәм оқ оның жүрегин тесип өтти. Йорам арбасының ишине қулады. 25Сонда Еҳу әскербасы Бидқарға: «Оны алып, изреелли Наботтың атызына ылақтырып жибер. Себеби ядыңа түсир, бизлер екеўимиз бирге Йорамның әкеси Ахабтың изинен барғанымызда, Жаратқан Ийе Ахабқа қарсы мына сөзлерди айтқан еди: 26„Кеше Наботтың ҳәм оның улларының қанын көрдим. Сеннен усы атызда өш аламан“. Енди Жаратқан Ийениң сөзи бойынша оның денесин алып, атызға ылақтыр», – деди.

 

Яҳуда патшасы Ахазияның өлтирилиўи

 

27Яҳуда патшасы Ахазия буны көргенде, Бейт-Ҳагганға қарай қашты. Еҳу оны қуўып баратырып: «Оны да өлтириң», – деп бақырды. Ахазияны Иблеам жанындағы Гур жолында, арбасында турған жеринде оқ жай менен атты. Ол Мегиддоға қашып барып, сол жерде жан тапсырды. 28Адамлары оның денесин арба менен Ерусалимге алып келди ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының қасына, өз қәбирине қойды.
29Ахазия Ахаб улы Йорамның патшалығының он биринши жылында Яҳудаға патша болған еди.

 

Изабелдиң өлтирилиўи

 

30Кейин Еҳу Изреелге келди. Изабел болған ўақыяларды еситип, көзлерине сүрме жағып, шашларын сулыўлап, терезеден қарап турған еди. 31Еҳу дәрўазадан киргенде, Изабел оған: «Ҳәй, өз ҳүкимдарын өлтирген Зимрий, тынышлық па?» – деди.
32Еҳу терезеге қарап: «Ким мен тәрепте, ким?» – деди. Сонда еки-үш сарай хызметшиси Еҳуға бой көрсетти. 33Еҳу оларға: «Оны төменге ылақтырыңлар!» – деди. Хызметшилер Изабелди жерге ылақтырды. Оның қаны дийўалға ҳәм атларға шашырап, атлар оның денесин басқылап таслады.
34Еҳу ишке кирип ишип-жеди ҳәм соңынан: «Бул ғарғыс урған ҳаялды таўып, жерлеңлер. Өйткени ол патша туқымынан ғой», – деди. 35Бирақ Изабелди жерлеў ушын кеткенлер оның бас сүйеги ҳәм аяқ-қолларынан басқа ҳеш нәрсесин таппады. 36Олар қайтып келип, буны Еҳуға хабарлады. Сонда Еҳу былай деди: «Жаратқан Ийениң қулы тишбели Илияс арқалы айтқан сөзи орынланды. Жаратқан Ийе: „Изабелдиң денеси Изреел атызларында ийтлерге жем болады. 37Аўа, Изабелдиң денеси Изреел атызларына төгилген төгинге уқсап қалады ҳәм ҳеш ким оны бул Изабел-ғо деп айтпайды“, – деген еди».

 

10

 

Ахабтың үй-ишиниң өлтирилиўи

 

1Самарияда Ахабтың жетпис улы бар еди. Сол себепли Еҳу хат жазып, оны Самариядағы Изреел басшыларына, ақсақалларға ҳәм Ахабтың улларының тәрбияшыларына жиберди. Онда былай деп жазылған еди: 2«Мырзаңыздың уллары сизлер менен бирге. Сизлерде саўаш арбалары, атлар, қурал-жарақлар бар ҳәм сизлер қорғанлы қалада жасайсыз. Сонлықтан бул хат сизлерге жетип барыўдан, 3өз ҳүкимдарыңыздың улларынан ең жақсысын ҳәм ең ылайықлысын сайлап, оны әкесиниң тахтына отырғызың ҳәм ҳүкимдарыңыздың үй-иши ушын гүресиң».
4Бирақ олар қатты қорқып кетип: «Еҳуға еки патша бас келе алмағанда, бизлер қалай бас келе аламыз?» – дести.
5Кейин сарай басқарыўшысы, қала ҳәкими, ақсақаллар ҳәм Ахабтың улларын тәрбиялаўшылар Еҳуға мына хабарды жиберди: «Бизлер сизиң қулларыңбыз, не буйырсаңыз, соны ислеймиз. Бизлер ҳеш кимди патша етип қоймаймыз, өзиңизге не мақул болса, соны ислең».
6Еҳу оларға екинши рет мына мазмунда хат жазды: «Егер сизлер мен тәрепте болсаңыз ҳәм мениң сөзиме бойсынсаңыз, онда өз ҳүкимдарыңыздың улларының басын алып, ертең усы ўақытта Изреелге, мениң алдыма келиңлер».
Патшаның жетпис улы болып, оларды қаланың ҳүрметли адамлары тәрбиялап атырған еди.
7Хат оларға жетип келгенде, олар патшаның жетпис улын өлтирип, басларын себетке салды ҳәм Изреелге, Еҳуға жиберди. 8Хабаршы келип, Еҳуға: «Патшаның улларының басларын алып келди», – деп билдиргенде, Еҳу оған: «Оларды еки үйиншик етип, қала дәрўазасының кирер аўзына қойың, азанға дейин сол жерде турсын», – деди.
9Ертеңине азанда Еҳу сыртқа шығып, пүткил халыққа былай деди: «Сизлердиң айыбыңыз жоқ. Ҳүкимдарыма қарсы мен бас көтердим ҳәм оны мен өлтирдим. Ал мыналардың бәрин ким өлтирди? 10Енди билип қойыңлар, Жаратқан Ийениң Ахабтың үй-ишине қарсы айтқан сөзлериниң бирде биреўи орынланбай қалмайды. Жаратқан Ийе Өз қулы Илияс арқалы айтқанларын жүзеге асырды». 11Еҳу Изреелде Ахабтың үй-ишинен қалған адамлардың ҳәммесин, ўәзирлерин, жақынларын, руўханийлерин өлтирди. Оның бирде бир адамын тири қалдырмады.

 

Патша Ахазияның жақынларының өлтирилиўи

 

12Соңынан Еҳу Самарияға қарай жолға шықты. Жолда шопанларға тийисли болған Бейт-Экед деген жерден өтип баратырып, 13Яҳуда патшасы Ахазияның туўысқанларын ушыратты. Олардан: «Сизлер кимсизлер?» – деп сорады. Олар: «Бизлер Ахазияның туўысқанларымыз. Патшаның ҳәм ханбийке Изабелдиң улларынан хабар алыўға баратырмыз», – деди.
14Еҳу адамларына: «Буларды тирилей услап алыңлар», – деди. Оларды тирилей услап алып, Бейт-Экед суў сақлағышының жанында қылыштан өткизди. Олар қырқ еки адам еди. Олардан бирде бири аман қалмады.

 

Ахабтың басқа жақынларының өлтирилиўи

 

15Еҳу сол жерден кеткеннен соң, өзин күтип алыўға киятырған Рекаб улы Йонадабты ушыратты ҳәм оның менен сәлемлесип атырып:
– Мениң саған деген нийетим қалыс болғаны сыяқлы, сениң де маған деген нийетиң қалыс па? – деди.
Йонадаб оған:
– Аўа, – деди.
Еҳу:
– Онда қолыңды бер, – деди. Йонадаб қолын созды. Еҳу оны арбасына мингизип:
16– Мениң менен бирге жүр ҳәм мениң Жаратқан Ийе ушын қаншелли жан күйдиретуғынымды көр, – деди де, оны арбасына мингизип алып кетти.
17Соңынан Еҳу Самарияға барды ҳәм Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзлери бойынша Ахабтың Самарияда қалған барлық адамларын түп-тамыры менен жоқ қылды.

 

Баалға табынатуғынлардың өлтирилиўи

 

18Еҳу пүткил халықты жыйнап, оларға былай деди: «Ахаб Баалға аз хызмет етти, ал мен оған көбирек хызмет етежақпан. 19Баалдың барлық пайғамбарларын, руўханийлерин ҳәм оған табынатуғынлардың ҳәммесин мениң алдыма шақырыңлар, ҳеш ким келмей қалмасын. Себеби Баалға арнап уллы бир қурбанлық бережақпан. Ким де ким келмей қалса, ол өлтириледи». Еҳу бул жерде Баалға табынатуғынларды жоқ қылыў ушын ҳийле ислеткен еди.
20Соңынан Еҳу: «Баалға арнап салтанатлы жыйналыс қылың», – деди. Жыйын жәрияланды. 21Еҳу пүткил Израилға хабаршылар жиберди ҳәм Баалға табынатуғынлардың ҳәммеси келди, бирде бир адам келмей қалмады. Олар Баалдың бутханасына кирди, бутхана аўзына дейин лыққа толды. 22Еҳу мухаддес кийимлерди қорғайтуғын адамға: «Баалға табынатуғынлардың ҳәммесине кийим әкелип бер», – деди. Ол оларға кийим әкелип берди. 23Еҳу Рекаб улы Йонадаб пенен Баалдың бутханасына кирип, Баалға табынатуғынларға: «Әтирапыңызға жақсылап қараң, араңызда Жаратқан Ийеге сыйынатуғынлардан ҳеш ким болмасын, бул жерде тек Баалға табынатуғынлар болсын», – деди. 24Соңынан Еҳу ҳәм Йонадаб жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм басқа қурбанлықларды бериўди баслады. Еҳу бутхананың сыртына сексен адамды қойып, оларға былай деп ескерткен еди: «Қолыңызға берген адамлардан биреўи қашып кетсе, жаныңыз бенен төлейсиз».
25Жандырылатуғын қурбанлық бериў жуўмақланғанда, Еҳу сақшыларға ҳәм әскербасыларға: «Ишке кирип, оларды өлтириң, бирде биреўи қашып кетпесин», – деди. Олар ҳәммени қылыштан өткизип, денелерин сыртқа ылақтырды. Кейин Баалдың бутханасының ишки бөлмесине кирди. 26Бутханадан Баалға арналған кийели тасларды алып шығып, оларды өртеп жиберди. 27Олар Баалға арналған кийели тасты да, Баалдың бутханасын да бузып таслады. Халық ол жерди ҳәзирги күнге шекем ҳәжетхана ретинде пайдаланып келмекте.
28Солай етип, Еҳу Израилдағы Баалға табыныўшылықты жоқ қылды. 29Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан, яғный Бейт-Эл ҳәм Дандағы алтын таналарға табыныўдан бас кешпеди.
30Жаратқан Ийе Еҳуға: «Мениң нәзеримде туўры болған ислерди ислегениң, Ахабтың үй-ишине Мениң жүрегимде болған ҳәмме нәрсени ислегениң ушын, сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деди. 31Бирақ Еҳу Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң нызамы бойынша жүриўге шын жүректен ҳәрекет етпеди. Ол Израилды гүнаға баслаған Яробамның гүналарынан ўаз кешпеди.

 

Еҳудың өлими

 

32Сол күнлери Жаратқан Ийе Израил жерлерин бөлеклеп, қысқарта баслады. Арам патшасы Хазаел барлық Израил аймақларында израиллыларды жеңип барды. 33Ол Иордан дәрьясының шығысындағы Гад, Рубен ҳәм Менашше урыўларына тийисли болған пүткил Гилад жерин, Арнон сайының бойындағы Ароерден Гиладқа ҳәм Башанға дейинги жерлерди басып алды.
34Еҳудың қалған ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер, оның ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
35Еҳу өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияда жерледи. Оның орнына улы Еҳоахаз патша болды. 36Еҳу Самарияда Израил үстинен жигирма сегиз жыл патшалық еткен еди.

 

11

 

Яҳуда ханбийкеси Аталия

 

1Яҳуда патшасы Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти. 2Бирақ патша Йорамның қызы, Ахазияның қарындасы Еҳошеба Ахазия улы Йоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Оны Аталиядан жасырып, өлимнен аман алып қалды. 3Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өз тәрбияшысы менен алты жыл жасырын түрде жасады.

 

Аталияға қарсы бас көтериў

 

4Жетинши жылы руўханий Еҳояда карлы сақшылар[4] менен сарай сақшыларының жүзбасыларына адам жиберип, оларды өз жанына, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алдырды. Сол жерде бул адамлар менен келисим дүзип, оларға ант ишкизгеннен соң, оларға патшаның улын көрсетти. 5Кейин Еҳояда оларға буйрық берип, былай деди: «Сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келгениңизде, үштен бириңиз патшаның сарайын қорғайсыз. 6Үштен бириңиз Сур дәрўазасын, ал қалған үштен бириңиз сарай сақшыларының артындағы дәрўазаны қорғайсыз. Усылайынша сарайды қорғайсыз. 7Шаббат күни хызметтен шыққан басқа еки топар сақшыларыңыздың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жанында патшаны қорғайды.
8Ҳәр бир адам қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын, ким де ким сапқа жақынласса, ол өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
9Жүзбасылар руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып, руўханий Еҳоядаға келди. 10Руўханий Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найза ҳәм қалқанларды жүзбасыларға таратты. 11Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойылды. 12Еҳояда патшаның улы Йоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, ал халық қол шаппатлап: «Жасасын патша!» – деп қышқырысты.
13Аталия сақшылардың ҳәм халықтың бақырысқан даўысларын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди. 14Қараса, дәстүр бойынша патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
15Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемеди. Сонлықтан жүзбасыларға: «Мына ҳаялды бул жерден алып шығыңлар. Оған ергенлерди қылыштан өткизиңлер», – деп буўрық берди. 16Аталия тутып алынды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына[5] әкелинип, сол жерде өлтирилди.

 

Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер

 

17Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда патша, халық ҳәм Жаратқан Ийе арасында келисим дүзди. Ол патша менен халық арасында да келисим дүзди. 18Үлке халқы Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм бутларды бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. Руўханий Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қараўыллар қойды. 19Кейин ол жүзбасыларды, карлы сақшыларды, сарай сақшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Оны сақшылар дәрўазасының жолы арқалы сарайға алып келди ҳәм ол патшалар тахтына отырды. 20Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия патша сарайында қылыш пенен өлтирилген еди. 21Йоаш тахтқа отырғанда жети жаста еди.

 

12

 

Яҳуда патшасы Йоаштың Ибадатхананы қайта қурыўы

 

1Израил патшасы Еҳудың патшалығының жетинши жылында, Йоаш Яҳудаға патша болды ҳәм Ерусалимде қырқ жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди. 2Йоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Өйткени руўханий Еҳояда оған жол көрсететуғын еди. 3Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4Сонда Йоаш руўханийлерге былай деди: «Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арнап алып келинген барлық гүмисти: дизим бойынша жыйналған жан салығын ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ўәде бойынша берилген ямаса еркли түрде берилген гүмислерди топлаң. 5Бул гүмислерди руўханийлер қазнашылардан қабыл етип алсын ҳәм оларды Ибадатхананың бузылған жерлери болса, сол жерлерди оңлаўға сарпласын».
6Бирақ Йоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында да руўханийлер Ибадатхананың бузылған жерлерин еле оңламаған еди. 7Сонлықтан патша Йоаш руўханий Еҳояданы ҳәм басқа руўханийлерди шақырып, оларға былай деди: «Не ушын Ибадатхананың бузылған жерлерин оңламай атырсызлар? Ендигиден былай қазнашылардан гүмис алмай, оларды Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаў ушын бериңлер». 8Руўханийлер халықтан гүмис алмаўға ҳәм Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаўға қатнаспаўға ыразы болды.
9Руўханий Еҳояда бир қуты алып, оның қақпағының үстин тести де, қутыны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы қурбанлық орынның оң жағына қойды. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келинген ҳәмме гүмислерди қутыға салып турды. 10Қутыға көп гүмис жыйылғанын көргенде, патшаның хаткери менен бас руўханий келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына түскен гүмислерди қалталап, тәрезиге тартып өлшеди. 11Өлшенген гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасында ислеп атырған усталарға, қурылысшыларға, 12өриўшилерге ҳәм тас жоныўшыларға төледи. Және де, Жаратқан Ийениң Ибадатханасын оңлаў ушын ағаш, жонылған таслар сатып алыўға ҳәм оңлаў ушын керек болған басқа да затларға сарпланды. 13Бирақ Жаратқан Ийениң Ибадатханасында жыйналған гүмистен Ибадатхана ушын гүмис қырмалар, пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, кәрнайлар ҳәм алтын ямаса гүмис буйымлар ислеўде жумсалмады. 14Себеби бул гүмислер тек жумысшыларға төленип, Ибадатхана дүзетиўге сарпланды. 15Жумысшыларға төлеў ушын гүмис берилген адамлардан ҳеш қандай есап талап етилмеди. Себеби олар ҳадал ислейтуғын еди. 16Айып ҳәм гүна қурбанлығы ушын берилген гүмислер Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келинбеди, олар руўханийлерге тийисли еди.
17Сол ўақытта Арам патшасы Хазаел Гат қаласына ҳүжим жасап, оны басып алды. Кейин ол Ерусалимге ҳүжим жасаўға қарар етти. 18Бирақ Яҳуда патшасы Йоаш өз ата-бабалары болған Яҳуда патшалары Еҳошафаттың, Йорамның, Ахазияның ҳәм өзиниң Жаратқан Ийеге атаған мухаддес сыйларының ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм патша сарайының қазнасынан табылған барлық алтынларды Арам патшасы Хазаелге жиберди. Сонда Хазаел де Ерусалимнен шегинди.
19Йоаштың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Йоаштың хызметшилери қозғалаң көтерип, оған қарсы тил бириктирди ҳәм оны Силлаға баратуғын жолда, Бейт-Миллода өлтирди. 21Йоашты өлтирген хызметшилери Шимеат улы Йозабад ҳәм Шомер улы Еҳозабад еди. Йоаш өлип, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Оның орнына улы Амасия патша болды.

 

13

 

Израил патшасы Еҳоахаз

 

1Яҳуда патшасы Ахазия улы Йоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында, Еҳу улы Еҳоахаз Самарияда Израилға патша болды ҳәм он жети жыл патшалық етти. 2Еҳоахаз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди иследи ҳәм Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробамның гүналарын даўам етип, олардан бас тартпады. 3Сол себепли Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, оларды узақ ўақыт Арам патшасы Хазаелдиң ҳәм оның улы Бен-Ҳададтың қолына берип қойды. 4Сонда Еҳоахаз Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе оны еситти. Себеби Ол Арам патшасының израиллыларды қалай аяўсыз езип атырғанын көрип турған еди. 5Сөйтип Жаратқан Ийе израиллыларға бир қутқарыўшыны жиберди ҳәм израиллылар арам халқының қол астынан қутылып, бурынғыдай өз үйлеринде қәўипсиз жасай баслады. 6Деген менен, олар Яробамның үй-ишиниң Израилды баслаған гүналарынан бас тартпай, оны даўам етти ҳәм Ашера буты да Самарияда тура берди.
7Еҳоахаздың елиў атлысы, он саўаш арбасы ҳәм он мың пияда әскери қалды. Өйткени Арам патшасы оларды қырып, күлин көкке суўырған еди. 8Еҳоахаздың қалған ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 9Еҳоахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияға жерледи. Оның орнына улы Еҳоаш патша болды.

 

Израил патшасы Еҳоаш

 

10Яҳуда патшасы Йоаштың патшалығының отыз жетинши жылында, Еҳоахаз улы Еҳоаш Самарияда Израилға патша болды ҳәм он алты жыл патшалық етти. 11Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмай, сол гүналарды даўам етти. 12Еҳоаштың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен урысқанда көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 13Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияда Израил патшаларының жанына жерленди. Оның тахтына улы Яробам отырды.

 

Пайғамбар Элишаның өлими

 

14Элиша даўасыз кеселликке шалынды. Израил патшасы Еҳоаш оны көриўге барып: «Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары!» – деп жылады. 15Элиша оған: «Қолыңа оқ жай менен оқларды ал», – деди. Патша оқ жай менен оқларды алды. 16Элиша: «Оқ жайды кер», – деди. Патша оқ жайды керди. Сонда Элиша қолларын патшаның қоллары үстине қойып: 17«Шығыс тәрептеги айнаны аш», – деди. Патша айнаны ашты. Элиша: «Оқты ат», – деди. Ол атты. Элиша оған: «Бул оқ – Арам үстинен сени жеңиске еристиретуғын Жаратқан Ийениң жеңис оғы. Сен Афекте оларды толығы менен жоқ қыласаң», – деди. 18Соңынан: «Оқларды ал», – деди. Патша оқларды алғанда, Элиша оған: «Оқларды жерге ур», – деди. Патша оқларды үш рет жерге урды да, тоқтап қалды. 19Қудайдың адамының буған ашыўы келип: «Бес-алты рет урыўың керек еди. Сонда арамлыларды толығы менен жеңген болар едиң. Енди арамлыларды тек үш рет ғана жеңе аласаң», – деди.
20Элиша өлип, жерленди. Ҳәр жылы бәҳәрде Моаб басқыншылары Израилға келетуғын еди. 21Бир күни израиллылар бир өлини жерлеп атырғанда басқыншыларды көрип қалды ҳәм өлини Элишаның гөрине ылақтырып қашты. Өли дене Элишаның сүйеклерине тийгенде тирилип, аяққа турды.

 

Израил ҳәм Арам арасындағы саўаш

 

22Арам патшасы Хазаел Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде израиллыларға зулымлық етип келди. 23Бирақ Жаратқан Ийе Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимине гөре, израиллыларға мийрим-шәпәәт көрсетти ҳәм реҳим етип, оларға жүз бурды. Оларды жоқ қылыўды қәлемеди ҳәм бүгинге дейин Өз дәргайынан қуўып жибермеди.
24Арам патшасы Хазаел өлип, орнына улы Бен-Ҳадад патша болды. 25Израил патшасы Еҳоаш әкеси Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде қолдан берген қалаларды Хазаелдиң улы Бен-Ҳададтан қайтарып алды. Еҳоаш оны үш рет жеңилиске ушыратып, Израил қалаларына қайта ийелик етти.

 

14

 

Яҳуда патшасы Амасияның Израил патшасы Еҳоашқа урыс ашыўы

 

1Израил патшасы Еҳоахаздың улы Еҳоаштың патшалығының екинши жылында Яҳуда патшасы Йоаштың улы Амасия Яҳуда тахтына отырды. 2Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди. 3Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, бабасы Даўытқа уқсамады. Ал ҳәр бир исте ол әкеси Йоаштан өрнек алды. 4Ол да сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкесе Йоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди. 6Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, жынаятшылардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
7Амасия Дуз ойпатлығында он мың эдомлыны өлтирип, Села қаласын басып алды ҳәм оған Йоқтеел деп ат қойды. Бул қала ҳәзир де сол ат пенен аталады.
8Кейин Амасия Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
9Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти. 10Сен эдомлыларды жеңдиң, сонлықтан көкирегиң әласпанда. Усы жеңисиңди жуўып, үйиңде отыр. Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
11Деген менен, Амасия қулақ аспады. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди. 12Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты. 13Израил патшасы Еҳоаш Ахазияның ақлығы Йоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алды. Соңынан Ерусалимге келип, қала дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады. 14Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы қазнадан табылған ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме затларды, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып Самарияға қайтып кетти.
15Еҳоаштың басқа ислери, оның қаҳарманлықлары ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен қалай урысқаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 16Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияға, Израил патшаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Яробам патша болды.

 

Яҳуда патшасы Амасияның өлими

 

17Яҳуда патшасы Йоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди. 18Амасияның басқа ислери Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
19Ерусалимде Амасияға қарсы тил бириктирилгенликтен, ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти. 20Олар Амасияның денесин атқа артып, Ерусалимге алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.
21Яҳуда халқы он алты жасар Азарияны[6] әкеси Амасияның орнына патша етип қойды. 22Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Азария Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурды.

 

Израил патшасы Яробам

 

23Яҳуда патшасы Йоаш улы Амасияның патшалығының он бесинши жылында, Еҳоаш улы Яробам Самарияда Израилға патша болды ҳәм қырқ бир жыл патшалық етти. 24Яробам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан ўаз кешпеди. 25Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өз қулы гат-хеферли пайғамбар Амиттай улы Юнус арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яробам Лебо-Хаматтан Өли теңизге[7] шекемги Израил жерлерин қайта тикледи. 26Себеби Жаратқан Ийе Израил халқы тартып атырған күшли азапты көрди. Қул да, азат адам да, ҳәммеси азап ишинде болып, оларға жәрдем бергендей ҳеш ким жоқ еди. 27Жаратқан Ийе Израилдың атын жер бетинен жоқ қылып жибериўди қәлемегенликтен, Еҳоаш улы Яробам арқалы оларды қутқарды.
28Яробамның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның қаҳарманлықлары, қалай урысқанлары ҳәм Яҳудаға тийисли болған Дамаск пенен Хаматты Израилға қалай қайтарып алғаны ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 29Яробам өлип, ата-бабалары болған Израил патшаларына қосылды. Оның орнына улы Зехария патша болды.

 

15

 

Яҳуда патшасы Азария

 

1Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирма жетинши жылында, Яҳуда патшасы Амасияның улы Азария[8] Яҳудаға патша болды. 2Азария он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди. 3Азария да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 4Бирақ сыйыныў орынлары алып тасланбады ҳәм халық сол жерлерде қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетиўин даўам етти.
5Жаратқан Ийе патша Азарияны жазалады. Ол бир өмир жаман тери кеселлигине шалынып, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Йотам басқарды.
6Азарияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 7Азария өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласындағы ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Йотам патша болды.

 

Израил патшасы Зехария

 

8Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз сегизинши жылында, Яробам улы Зехария Самарияда Израилға патша болды ҳәм алты ай патшалық етти. 9Ата-бабалары сыяқлы, ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады. 10Ябеш улы Шаллум Зехарияға қарсы тил бириктирип, оны халықтың алдында өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды.
11Зехарияның басқа ислери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 12Солай етип, Жаратқан Ийениң Еҳуға: «Сениң нәсилиң төртинши әўладқа дейин Израил тахтында отырады», – деп айтқан сөзи орынланды.

 

Израил патшасы Шаллум

 

13Яҳуда патшасы Уззияның[9] патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Ябеш улы Шаллум Израилға патша болды ҳәм Самарияда бир ай патшалық етти. 14Гад улы Менахем Тирсадан Самарияға келип, сол жерде Ябеш улы Шаллумды өлтирди ҳәм оның орнына өзи патша болып алды.
15Шаллумның басқа ислери ҳәм ол дүзген қастыяншылық Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16Сол ўақытта Менахем Тирсадан шығып, өзине дәрўазаларын ашпағаны ушын, Тифсах қаласын ҳәм оның әтирапындағы аўыллардың ҳәммесин қырды ҳәм ҳәмиледар ҳаяллардың қарынларын жарып таслады.

 

Израил патшасы Менахем

 

17Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының отыз тоғызыншы жылында, Гад улы Менахем Израилға патша болып, Самарияда он жыл патшалық етти. 18Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм өмири бойы Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
19Ассирия патшасы Пул Израилға ҳүжим етти. Бирақ Менахем Пулдың қоллап-қуўатлаўына ерисиў арқалы өз патшалығын беккемлеў ушын, Пулға мың талант гүмис берди. 20Менахем Ассирия патшасына бериў ушын, Израилдағы бай адамлардың ҳәр бирине елиў шекел гүмистен салық салды. Солай етип, Ассирия патшасы елден шегинип, өз үлкесине қайтып кетти.
21Менахемниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 22Менахем өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оның орнына улы Пеқахия патша болды.

 

Израил патшасы Пеқахия

 

23Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиўинши жылында, Менахем улы Пеқахия Самарияда Израилға патша болды ҳәм еки жыл патшалық етти. 24Пеқахия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан бас тартпады. 25Пеқахияның әскербасыларынан бири Ремалия улы Пеқах оған қарсы тил бириктирди. Ол жанына гиладлы елиў адамды алып, Аргоб ҳәм Арйе деген адамлар менен бирикти де, Самариядағы сарайдың қорғанында Пеқахияны өлтирип, орнына өзи патша болды.
26Пеқахияның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

Израил патшасы Пеқах

 

27Яҳуда патшасы Азарияның патшалығының елиў екинши жылында, Ремалия улы Пеқах Самарияда Израилға патша болды ҳәм жигирма жыл патшалық етти. 28Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмады.
29Израил патшасы Пеқахтың дәўиринде, Ассирия патшасы Тиглат-Пилесер Израилдың Иййон, Абел-Бейт-Мааха, Яноах, Кедеш, Хасор қалаларын ҳәм Гилад, Галила, Нафталий үлкелерин басып алып, халқын Ассирияға айдап кетти. 30Яҳуда патшасы Уззия улы Йотамның патшалығының жигирмаланшы жылында, Эла улы Ҳошеа Ремалия улы Пеқахқа қарсы тил бириктирип, оны өлтирди ҳәм орнына өзи патша болды. 31Пеқахтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

Яҳуда патшасы Йотам

 

32Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының екинши жылында, Уззия улы Йотам Яҳудаға патша болды. 33Йотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди. 34Йотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 35Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбай, халық ол жерлерде еле қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди. Йотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды.
36Йотамның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 37Сол күнлерде Жаратқан Ийе Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқахты Яҳудаға ҳүжимге жибере баслады. 38Йотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.

 

16

 

Яҳуда патшасы Ахаз

 

1Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының он жетинши жылында, Йотам улы Ахаз Яҳудаға патша болды. 2Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислеген бабасы Даўытқа уқсамады. 3Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып, қурбан етти. 4Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.
5Сонда Арам патшасы Ресин ҳәм Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимди басып алыў ушын ҳүжим етти. Олар қаланы қамал қылып турса да, Ахазды жеңе алмады. 6Сол арада Арам патшасы Ресин Элат қаласын қайтарып алып, ол жердеги Яҳуда халқын қуўып жиберди. Соңынан эдомлылар Элатқа қоныс басты, олар ҳәзир де сол жерде жасайды.
7Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерге елшилерин жиберип: «Мен сизиң қулыңыз ҳәм хызметшиңизбен. Келип, маған ҳүжим етип атырған Арам ҳәм Израил патшаларының қолынан мени қутқарың», – деди. 8Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмис ҳәм алтынларды алып, Ассирия патшасына саўғаға берип жиберди. 9Ассирия патшасы Ахаздың тилегин орынлап, Дамаскке ҳүжим етип, оны қолға киргизди. Қала халқын Кирге сүргин қылып, Ресинди өлтирди.
10Патша Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерди қарсы алыў ушын Дамаскке барғанда, сол жердеги қурбанлық орынды көрди. Ол қурбанлық орынның сүўретин ҳәм қурылысының сызылмасын руўханий Урияға жиберди. 11Руўханий Урия патша Ахаз Дамасктен келгенше, Дамасктен ол жиберген үлги бойынша, қурбанлық орын қурдырып қойды. 12Патша Дамасктен қайтып келгенде, қурбанлық орынды көрди ҳәм оған жақынлап, үстинде қурбанлықлар берди. 13Ол қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлығын ҳәм ғәлле садақасын түтетип жандырды, оған ишимлик садақасын қуйып, татыўлық қурбанлығының қанын септи. 14Ал Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынды Ибадатхананың алдынан, яғный таза қурбанлық орын менен Ибадатхана ортасында турған орнынан жылжытып, оны жаңа қурбанлық орынның арқа тәрепине қойды.
15Соңынан патша Ахаз руўханий Урияға мынадай буйрық берди: «Азанғы жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм кешки ғәлле садақасын, патша берген жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм ғәлле садақасын, үлке халқы берген жандырылатуғын қурбанлықты, ғәлле садақасын ҳәм ишимлик садақасын үлкен қурбанлық орында усын. Жандырылатуғын қурбанлықлардың ҳәм басқа қурбанлықлардың ҳәммесиниң қанын оған сеп. Ал қоладан исленген қурбанлық орынды мен келешекти билиў ушын қолланаман». 16Руўханий Урия патша Ахаздың буйрықларын толық орынлады.
17Патша Ахаз түбелдириклердиң тахталарын кестирип, үстиндеги ләгенлерди алдырып таслады. Ҳаўызды да қола буғалардың үстинен түсирип, төселген тастың үстине қойды. 18Ассирия патшасына жағыныў ушын, ол Шаббат күнлери Жаратқан Ийениң Ибадатханасына киретуғын үсти жабық жолды ҳәм патша киретуғын қапыны жаўып таслады.
19Ахаздың басқа ислери ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 20Ахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Хизкия патша болды.

 

17

 

Израилдың соңғы патшасы Ҳошеа

 

1Яҳуда патшасы Ахаздың патшалығының он екинши жылында, Эла улы Ҳошеа Самарияда Израилға патша болып, тоғыз жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди иследи. Бирақ өзинен алдынғы Израил патшаларынан тәўирирек еди.
3Ассирия патшасы Шалманасар Ҳошеаға қарсы саўаш ашты. Ҳошеа тәслим болып, оған салық төлей баслады. 4Бирақ Ассирия патшасы Ҳошеаның сатқынлық еткенин билип қалды. Себеби Ҳошеа Мысыр патшасы Соға хабаршылар жиберген еди ҳәм Ассирия патшасына ҳәр жылы төлейтуғын салығын төлемей қойған еди. Сонлықтан Ассирия патшасы оны тутып алып, зинданға таслады.

 

Самарияның қулаўы

 

5Ассирия патшасы пүткил Израил жерлерине ҳүжим қылып, Самарияны үш жыл қамал етип турды. 6Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Ассирия патшасы Самарияны қолға киргизип, Израил халқын Ассирияға сүргин етти. Оларды Халахқа, Гозан дәрьясы бойындағы Хаборға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды. 7Булардың ҳәммеси израиллылардың өзлерин Мысыр патшасы фараонның қол астынан, Мысыр жеринен алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегени себепли жүз берди. Олар басқа қудайларға табына баслады. 8Олар өзлериниң алдынан Жаратқан Ийе қуўып шығарған халықлардың дәстүрлери ҳәм Израил патшаларының шығарған дәстүрлери бойынша жасады. 9Израиллылар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге унамайтуғын бул ислерди жасырын ислейтуғын еди. Олар аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекем ҳәмме жерде өзлери ушын сыйыныў орынларын қурды. 10Ҳәр бир бийикликке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына кийели таслар ҳәм Ашера бутларын орнатты. 11Олар Жаратқан Ийениң өзлериниң алдынан қуўып шығарған халықлары сыяқлы, барлық сыйыныў орынларында түтеткилер түтетти ҳәм ислеген жаман ислери менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди. 12Жаратқан Ийениң өзлерине: «Булай ислемеңлер», – дегенине қарамастан, олар бутларға табынды. 13Сонда Жаратқан Ийе Өзиниң барлық пайғамбарлары ҳәм ўәлийлери арқалы Израил ҳәм Яҳудаға былай деп ескертти: «Жаман жолыңыздан қайтыңлар. Ата-бабаларыңызға буйырған ҳәм қулларым болған пайғамбарларым арқалы сизлерге жиберген Нызамдағы барлық буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсыныңлар». 14Бирақ олар қулақ салмай, Қудайы Жаратқан Ийеге исенбеген ата-бабаларына уқсап қайсарлық қылды. 15Олар Оның қағыйдаларынан, ата-бабалары менен дүзген келисиминен ҳәм өзлерине берилген ескертиўлеринен жүз бурып, мәниссиз бутларға табынды ҳәм өзлери де мәниссиз өмир сүрди. Жаратқан Ийе: «Әтирапыңыздағы халықларға уқсап жасамаңлар», – деп буйырса да, олар сол халықлардың әдетлерине гөре жасай берди. 16Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң барлық буйрықларынан жүз бурып, тананың еки мүсини менен Ашера бутын иследи ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, Баалға хызмет етти. 17Улларын ҳәм қызларын отта қурбанлыққа берди, палкерлик етти ҳәм белгилерди жорыды. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди ислеўге берилип кетип, Оның ғәзебин келтирди. 18Сонлықтан Жаратқан Ийениң израиллыларға қатты ғәзеби келди ҳәм Яҳуда урыўынан басқасының ҳәммесин Өз дәргайынан қуўды. 19Бирақ Яҳуда да Өз Қудайы Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, олар да израиллылар ислеген дәстүрлерди иследи. 20Ақыбетте, Жаратқан Ийе пүткил Израил урпақларынан жүз бурып, оларды жазалады ҳәм басқыншылардың қолына тәслим етип, ҳәммесин Өз дәргайынан шығарып жиберди.
21Бурын Жаратқан Ийе израиллыларды Даўыттың урпағының қолынан тартып алғаннан соң, израиллылар Набат улы Яробамды патша етип қойған еди. Яробам оларды Жаратқан Ийениң жолынан шығарып, уллы гүнаға баслады. 22Израил урпақлары Яробам ислеген барлық гүналарға қосылды, бул гүналардан бас тартпады. 23Ақырында, Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқаны сыяқлы, израиллыларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Олар өз жеринен Ассирияға сүргин етилди. Бүгин де олар сол жерде жасайды.

 

Самарияға қоныс басқанлар

 

24Ассирия патшасы Бабилон, Кута, Аўўа, Хамат ҳәм Сефарўайым қалаларынан адамларды көширип әкелип, израиллылардың орнына Самария жерине қонысландырды. Олар Самарияны ийелеп, оның қалаларында жасай баслады. 25Олар сол жерде жасай баслаған ўақытлары Жаратқан Ийеге сыйынбады. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға арысланларды жиберди, арысланлар олардың айырымларын өлтире баслады. 26Сонда Ассирия патшасына мынадай хабар жетти: «Сиз Самария қалаларына көширип әкелип қонысландырған халықлар сол жердиң қудайына қалай сыйыныўды билмейди. Халық үлке қудайының нызамларын билмегени ушын, үлке қудайы үлкеге арысланлар жиберип атыр, арысланлар да адамларды өлтирип атыр». 27Ассирия патшасы: «Самариядан сүргин етип әкелинген руўханийлерден бирин изге қайтарың. Ол барып, сол жерде жасасын ҳәм оларға сол жердиң қудайының нызамларын үйретсин», – деп буйырды. 28Самариядан сүргин етилген руўханийлерден бири келип, Бейт-Элде жасады ҳәм Жаратқан Ийеге қалай сыйыныўды оларға үйретти.
29Деген менен, Самария қалаларына қоныс басқан ҳәр бир халық өз қудайларының мүсинлерин иследи. Оларды израиллылар Самарияда жасаған ўақтында қурған сыйыныў орынларына қойды. 30Бабилоннан келгенлер Суккот-Бенот деген, Куттан келгенлер Нергал деген, Хаматтан келгенлер Ашима деген, 31Аўўадан келгенлер Нибхаз ҳәм Тартақ деген бутларды иследи. Ал Сефарўайымнан келгенлер Сефарўайым қудайлары Адраммелех пенен Анаммелехке арнап улларын отта жандырды. 32Бир тәрептен олар Жаратқан Ийеге сыйынса, екинши тәрептен сыйыныў орынларындағы бутханаларда хызмет етиў ушын, араларынан руўханийлер сайлап қойды. 33Сол жерге көшип келген ҳәр бир халық Жаратқан Ийеге сыйыныў менен бирге, өз халықларының дәстүрлери бойынша өз қудайларына да табынды. 34Ҳәзир де олар сол ески дәстүрлери бойынша жасап келеди. Олар Жаратқан Ийеден қорқпайды, Жаратқан Ийе Израил деп ат берген Яқыптың урпағына буйырған қағыйдаларға, пәрманларға, нызамларға ҳәм буйрықларға бойсынбайды. 35Жаратқан Ийе Яқыптың урпағы менен келисим дүзип, оларға былай деп буйырған еди: «Басқа қудайлардан қорқып, оларға табынбаңлар ҳәм оларға хызмет етип, қурбанлық бермеңлер. 36Тек уллы қүдирети ҳәм созған қолы менен сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған сыйынып, қурбанлық бериңлер. 37Сизлер ушын жазған қағыйдаларын, пәрманларын, нызамларын ҳәм буйрықларын бәрҳа муқыятлы түрде орынлаңлар ҳәм басқа қудайлардан қорқпаңлар. 38Мениң сизлер менен дүзген келисимимди умытпаңлар, басқа қудайлардан қорқпаңлар. 39Тек Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Ол сизлерди барлық душпанларыңыздың қолынан қутқарады».
40Бирақ Самарияға қоныс басқан халықлар бул сөзлерге қулақ аспай, өзлериниң бурынғы әдетлери бойынша жасай берди. 41Сол халықлар ҳәм Жаратқан Ийеге, ҳәм өзлери жондырып ислеткен мүсинлерге сыйынды. Олардың балалары да, балаларының балалары да өзлериниң ата-бабалары ислеген исти бүгинге дейин даўам етпекте.

 

18

 

Яҳуда патшасы Хизкия

 

1Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының үшинши жылында, Ахаз улы Хизкия Яҳудаға патша болды. 2Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия[10] болып, ол Зехарияның қызы еди. 3Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 4Ол сыйыныў орынларын жоқ қылды, кийели тасларды майдалап, Ашера бутын кесип таслады, Муўса ислеген мыс жыланды да бөлип, майдалады. Себеби израиллылар оны Нехуштан деп атап, сол күнге дейин оған арнап түтетки түтететуғын еди.
5Патша Хизкия Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге исенди. Оннан бурын да, оннан кейин де, Яҳуда патшалары арасында оған уқсағаны болмады. 6Ол Жаратқан Ийеге садық болып, Оннан жүз бурмады ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларын орынлады. 7Сонлықтан Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Хизкия не ислесе де, табысқа еристи. Ол Ассирия патшасына қарсы бас көтерип, оған бойсыныўдан бас тартты. 8Ол Газа ҳәм оның әтирапына шекем, аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекемги ҳәмме жерлердеги филистлерди қырып таслады.
9Хизкияның патшалығының төртинши жылында, Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының жетинши жылында, Ассирия патшасы Шалманасар Самарияға ҳүжим жасап, қаланы қамал етти. 10Ол үш жылдан соң, Самарияны қолға киргизди. Солай етип, Хизкияның патшалығының алтыншы, Израил патшасы Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Самария басып алынды. 11Ассирия патшасы израиллыларды Ассирияға сүргин етип, оларды Халахқа, Хабор дәрьясының бойындағы Гозанға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды. 12Бул ўақыя израиллылардың Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспағаны, Оның келисимин бузғаны себепли жүз берди. Себеби израиллылар Қудайы Жаратқан Ийениң қулы Муўса арқалы берген буйрықларына бойсынбады. Оларды тыңламады да, орынламады да.

 

Санхерибтиң абай етиўи

 

13Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды. 14Сонда Яҳуда патшасы Хизкия Лахиш қаласындағы Ассирия патшасына: «Мен айыплыман, мениң жеримнен кетсеңиз. Не талап етсеңиз де, төлеймен», – деп хабар жиберди. Сөйтип, Ассирия патшасы Яҳуда патшасы Хизкияға үш жүз талант гүмис ҳәм отыз талант алтын салық салды. 15Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмистиң ҳәммесин оған берди. 16Сондай-ақ Яҳуда патшасы Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасының есиклерин ҳәм жақлаўларын алтын менен қаплатқан еди. Ол өзи қаплатқан усы алтынларды қыршып алып, оларды да Ассирия патшасына берди.
17Деген менен, Ассирия патшасы сәркәрдасын, әскерий ўәкилин ҳәм бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Олар Ерусалимге келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы Ҳаўыздың суў жолы жанында тоқтады. 18Олар патшаны шақыртты. Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Йоах ассириялыларға барды.
19Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди: «Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: „Неңе исенип турсаң? 20Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге исенип, маған қарсы бас көтерип турсаң? 21Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай. 22Бәлким маған: Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге исенемиз, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек Ерусалимде, мына қурбанлық орында сыйыныңлар, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?“
23Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң? 24Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба? 25„Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң ерки менен келмедим бе? Жаратқан Ийе маған: Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет, – деди“».
26Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Йоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди: «Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен яҳудий тилинде сөйлеспеңиз».
27Бас ўәзир оларға: «Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди», – деди.
28Соңынан бас ўәзир орнынан турып, яҳудий тилинде былай деп бақырды: «Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар! 29Патша былай дейди: „Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди мениң қолымнан қутқара алмайды. 30Ол: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин“.
31Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди. 32Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары, зәйтүн майы ҳәм палы мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен. Сонда өлмей, тири қаласызлар. Хизкияның: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, – деп алдағанына қулақ салмаңлар. 33Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған? 34Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўаның қудайлары қайда? Самария қудайлары қайда? Олар Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма? 35Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?“»
36Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.
37Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Йоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.

 

19

 

Хизкияның пайғамбар Ийшаядан кеңес сораўы

 

1Патша Хизкия буларды еситкенде, кийимлерин жыртты ҳәм аза кийимлерин кийип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. 2Ол аза кийимин кийген сарай басқарыўшысы Элякимди, хаткер Шебнаны ҳәм жасы үлкен руўханийлерди Амос улы пайғамбар Ийшаяға жиберди. 3Олар Ийшаяға былай деди: «Хизкия былай дейди: „Бүгинги күн азап, жаза ҳәм масқарашылық күни. Себеби бала шығайын деп аўызға тақалып турғаны менен, туўыўға күши жоқ ҳаялға уқсаймыз. 4Бәлким, тири Қудайды хорлаў ушын мырзасы, Ассирия патшасы жиберген бас ўәзириниң барлық сөзлерин Қудайың Жаратқан Ийе еситкен шығар ҳәм усы еситкен сөзлери ушын оларды жазалар. Сонлықтан тири қалғанлар ушын дуўа ет“».
5Патша Хизкияның хызметшилери патшаның сөзлерин Ийшаяға жеткизгенде, 6Ийшая оларға былай деди: «Мырзаңызға былай деп айтыңлар: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ассирия патшасының хызметшилериниң Мени масқаралап айтқан сөзлеринен, яғный өзиң еситкен сөзлерден қорқпа. 7Мине, Мен оған бир руўх жиберемен. Сонда ол бир хабар еситип, өз елине қайтып кетеди. Мен оны өз елинде қылыш пенен өлтиртемен“».
8Ассирия патшасының бас ўәзири изине қайтып, өз патшасын Либна қаласына қарсы урысып атырған жеринен тапты. Себеби ол Ассирия патшасының Лахиштен шегингенин еситкен еди. 9Ассирия патшасы Куш патшасы Тирҳақаның өзине қарсы урысқа атланғанын еситип, Хизкияға және елшилерин жиберип былай деди: 10«Яҳуда патшасы Хизкияға былай деп айтыңлар: „Исенген Қудайың сени: „Ерусалим Ассирия патшасына тәслим болмайды“, – деп алдамасын. 11Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң?! Енди сен қутылып қалмақшымысаң? 12Ата-бабаларым ўайран еткен Гозан, Харан, Ресеф ҳәм Телассардағы Эденде жасаған халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма? 13Хамат ҳәм Арпад патшалары қәне? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўа қалаларының патшалары қәне?“»

 

Хизкияның дуўасы

 

14Хизкия хатты елшилердиң қолынан алып оқығаннан соң, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды ҳәм хатты Жаратқан Ийениң алдына жайып қойды. 15Кейин Жаратқан Ийениң алдында дуўа етип, былай деди: «О, керублар ортасындағы тахтта отырған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен пүткил дүнья патшалықларының жалғыз Қудайысаң! Аспан ҳәм жерди Сен жаратқансаң. 16О, Жаратқан Ийе, қулақ салып, есит, көзлериңди ашып, көр. Тири Қудайды масқаралаў ушын Санхерибтиң айтып жиберген сөзлерин есит.
17О, Жаратқан Ийе, ырасында да, Ассирия патшалары халықларды ҳәм олардың жерлерин ўайранлады. 18Олардың қудайларын отқа таслап, жоқ қылды. Бирақ олар ҳақыйқатында қудайлар емес, ал ағаштан ҳәм тастан адам қолы менен исленген нәрселер еди. 19О, Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерди Санхерибтиң қолынан қутқара гөр. Сонда пүткил дүнья патшалықлары Сениң жалғыз Қудай екениңди биледи».

 

Ийшаяның пайғамбаршылығы

 

20Соңынан Амос улы Ийшая пайғамбар Хизкияға мынадай хабар жиберди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ассирия патшасы Санхериб ҳаққында Маған еткен дуўаңды еситтим. 21Ол туўралы Мен – Жаратқан Ийе былай деймен:

 

 

Пәк қыз Сийон сени кемситип, үстиңнен күлер,
Ерусалим қыз мазақлап, изиңнен бас шайқар.
22Сен кимди хорлап, кимди мазақладың?
Кимге даўыс көтерип сөйлеп, кимге менменсип қарадың?
Маған – Израилдың Мухаддесине!
23Елшилериң арқалы Мени хорлап былай дедиң:
„Сансыз саўаш арбаларым менен таўлардың бийик шыңына,
Лебанон таўларының узақ жанбаўырларына шықтым,
Бийик кедр ағашларын, жақсы сәрўи ағашларын кестим.
Оның ең төрине, ең қалың тоғайына бардым.
24Мен қудықлар қаздым ҳәм жат еллердиң суўларын иштим,
Мысырдың барлық дәрьяларын табаным менен қурыттым“.

 

25Бирақ буның ҳәммесин бурыннан жобаластырып, әййемги күнлерден ойлап қойғанымды еситпеген бе едиң?
Ҳәзир Мен соны орынладым.
Сонлықтан сен қорғанлы қалаларды қарабақанаға айландыра алдың.
26Сонда қол-қанаты қырқылды қала халқының,
Қорқып, уятқа қалды.
Олар даладағы көк шөпке, жаңа шыққан нәзик шөпке ҳәм тамның басындағы, шықпай атырып өрт шалған шөпке уқсап қалды.
27Мен сениң отырыс-турысыңды, қашан келип-кететуғыныңды,
Маған деген ғәзебиңди, ҳәммесин билемен.
28Маған деген ғәзебиң ушын ҳәм тәкаббирлигиң қулағыма жетип келгени ушын,
Ҳалқамды мурныңнан өткизип, суўлығымды аўзыңа тағаман.
Сени келген жолың менен изиңе қайтараман.

 

29Ҳәй, Хизкия! Сен ушын белги мынаў болады:
Усы жылы шашылған дәннен өскен өнимди жейсиз,
Келеси жылы соның орнына өскен өнимди азық қыласыз,
Ал үшинши жылы дән сеўип, өним аласыз, жүзим бағларын отырғызып, олардың мийўесинен жейсиз.
30Яҳуда халқының қутылып қалғанлары жерге тамыр жайып, жоқарыда мийўе береди.
31Себеби тири қалғанлар Ерусалимнен, қутылғанлар Сийон таўынан келип шығады.
Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз қызғаншақлығы менен жүзеге асырады.
32Сонлықтан Жаратқан Ийе Ассирия патшасы туўралы былай дейди:
Ол бул қалаға кирмейди, оқ та атпайды,
Қалаға жақынламас қалқаны менен,
Қалаға қарсы топырақ та үйдирмейди.
33Келген жолы менен қайтады, қалаға кирмейди.
Бул – Жаратқан Ийениң айтқаны!
34Мен Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғап, қутқараман».

 

 

35Сол күни түнде Жаратқан Ийениң периштеси ассириялылардың ордасына барып, бир жүз сексен бес мың адамды қырып таслады. Азанда оянып қарағанлар ҳәмме жердиң өликлерге толып кеткенин көрди. 36Сонда Ассирия патшасы Санхериб орданы таслап, изине қайтты. Ол Ниневияға қайтып келип, сол жерде жасап қалды. 37Бир күни ол өз қудайы Нисрохтың бутханасында табынып атырғанда, уллары Адраммелех пенен Шаресер оны қылыш пенен өлтирди ҳәм өзлери Арарат үлкесине қашып кетти. Санхерибтиң орнына улы Эсар-Хаддон патша болды.

 

20

 

Хизкияның қәстелениўи ҳәм шыпаланыўы

 

1Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең“».
2Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип: 3«О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр!» – деди ҳәм өксип-өксип жылады.
4Ийшая еле сарайдың ортанғы ҳәўлисинен шығып кетпей атырып, оған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 5«Изиңе қайтып, Мениң халқымның ҳүкимдары Хизкияға мына хабарды жеткиз: „Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Мине, Мен сени шыпалайман. Сен үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барасаң. 6Өмириңди он бес жылға узайтаман. Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқараман. Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғайман“».
7Ийшая патшаның адамларына: «Кептирип нығызланған әнжир алып келиңлер», – деди. Оны әкелип, жараға қойғанда, ол саўалып кетти.
8Хизкия Ийшаядан:
– Жаратқан Ийениң мени саўалтатуғынын ҳәм үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына баратуғынымды қандай белги арқалы билемен? – деп сорады. 9Ийшая оған:
– Жаратқан Ийениң Өз сөзин орынлайтуғынын билдиретуғын белги мынаў: текшеге түсип турған сая он адым алдыға жылжысын ба ямаса он адым артқа жылжысын ба? – деди. 10Хизкия Ийшаяға:
– Саяның алдыға он адым жылжыўы аңсат. Сая он адым артқа жылжысын, – деди. 11Ийшая пайғамбар Жаратқан Ийеге жалбарынды. Сонда Жаратқан Ийе патша Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытты.

 

Хизкияның ақылсызлығы

 

12Сол арада Хизкияның аўырып қалғанын еситкен Бабилон патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди. 13Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.
14Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған:
– Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған:
– Олар узақ елден, Бабилоннан келген, – деп жуўап берди.
15Ийшая:
– Олар сарайыңызда не көрди? – деп сорады. Хизкия:
– Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди. 16Сонда Ийшая Хизкияға былай деди:
– Онда Жаратқан Ийениң сөзин еситиң: 17«Жаратқан Ийе былай дейди: „Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды. 18Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилон патшасының сарайында хызметши болады“». 19Хизкия Ийшаяға:
– Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.
20Хизкияның басқа ислери, барлық қаҳарманлықлары, ол қурғызған ҳаўыз, суў өткеллери ҳәм қалаға қалай суў апарғанлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 21Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылды. Оның орнына улы Менашше патша болды.

 

21

 

Яҳуда патшасы Менашше

 

1Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хефсиба еди. 2Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықларының жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 3Әкеси Хизкия жоқ қылған сыйыныў орынларын қайта тикледи. Израил патшасы Ахабқа уқсап, Баалға арнап қурбанлық орынлар қурды, Ашера бутын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти. 4Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Мен Ерусалимде Өз атымды орнатаман», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды. 5Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды. 6Ол өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, әрўақ шақырыўшыларға ҳәм сыйқыршыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди ислеп, Оны ғәзеплендирди. 7Менашше өзи ислеткен Ашера бутын Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қойды. Жаратқан Ийе Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман. 8Егер олар Мениң буйрықларыма ҳәм қулым Муўса буйырған барлық Нызамларды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына берген жерден қуўып шығармайман», – деген еди. 9Бирақ халық қулақ аспады. Менашшениң халықты жолдан азғырғаны соншелли, Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы былай деди: 11«Яҳуда патшасы Менашше өзинен бурын сол жерде жасаған амор халқынан да жаманырақ жеркенишли ислерди ислегени, өз бутлары менен яҳудалыларды гүнаға баслағаны ушын, 12Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Яҳуда елиниң ҳәм оның бас қаласы Ерусалимниң басына еситкен адамның жүрегин суўлалатуғын бир апатшылық жаўдыраман. 13Самарияға қолланған өлшеў жибин ҳәм Ахабтың үй-ишине қолланған өлшемди Ерусалимге де қолланаман. Табақты сыпырып, төңкерип қойғаны сыяқлы, Ерусалимди де солай сыпырып тазалайман. 14Халқымның қалғанларынан жүз бураман, оларды душпанларының қолына тапсыраман. Душпанлары оларды тонап, талан-тараж етеди. 15Себеби олар Мениң нәзеримде жаман ислерди иследи ҳәм ата-бабалары Мысырдан шыққан күннен усы күнге дейин Мениң ғәзебимди келтирди“».
16Менашше Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман ислерди ислеп, яҳудалыларға ислеткен гүнасына қоса, жүдә көп айыпсыз қан төгип, Ерусалимди басынан аяғына шекем қанға батырды. 17Менашшениң басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм ол ислеген гүналар ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 18Менашше өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм сарайдың Узза деп аталатуғын бағына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.

 

Яҳуда патшасы Амон

 

19Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. Анасының аты Мешуллемет болып, ол йотбалы Харустың қызы еди. 20Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 21Ол әкесиниң жолынан жүрди, әкеси табынған бутларға хызмет етип, оларға табынды. 22Амон ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етти, Оның жолынан жүрмеди.
23Патша Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди. 24Бирақ үлке халқы Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Йосияны патша етип қойды.
25Амон ислеген басқа ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 26Амон Узза бағындағы өз қәбирине жерленди. Оның орнына улы Йосия патша болды.

 

22

 

Яҳуда патшасы Йосия

 

1Йосия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Едида болып, ол босқатлы Адаяның қызы еди. 2Йосия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Ол оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
3Патша Йосия өз патшалығының он сегизинши жылында, Мешулламның ақлығы Асалияның улы хаткер Шафанды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жиберип, оған былай деди: 4«Бас руўханий Хилкияға бар. Ол босағадағы қадағалаўшы руўханийлер халықтан жыйнап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келген гүмислерди есаплап шықсын. 5Кейин оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берсин. Олар буны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бузылған жерлерин дүзетиўшилерге, 6усталарға, қурылысшыларға, тас қалаўшыларға төлесин ҳәм Ибадатхананы дүзетиўге керекли болған ағашларды ҳәм жонылған тасларды сатып алыўға жумсасын. 7Деген менен, оларға берилген гүмистиң есабы талап етилмесин, өйткени олар ҳадал ислейди».
8Бас руўханий Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди. Шафан китапты оқыды. 9Соңынан хаткер Шафан патшаға: «Қулларыңыз Ибадатханадан табылған гүмислерди алып, оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди алып барыўшыларға тапсырды», – деген хабар алып келди. 10Соңынан ол: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға оқып берди. 11Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты. 12Ол руўханий Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Михая улы Ахборға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды: 13«Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын, халық ушын ҳәм пүткил Яҳуда ушын Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Ата-бабаларымыздың бул китаптың сөзлерине қулақ аспағаны ҳәм онда бизлер ушын жазылған бул сөзлерге сай жасамағаны себепли, Жаратқан Ийениң бизлерге қарсы лаўлаған ғәзеби уллы».
14Руўханий Хилкия, Ахиқам, Ахбор, Шафан ҳәм Асая барып, Хархастың ақлығы Тиқўаның улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң екинши бөлиминде жасайтуғын еди.
15Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар деп атыр: 16Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының оқыған китабында жазылғанындай, бул жерге де, бул жерде жасайтуғын халықтың басына да апатшылық жаўдыраман. 17Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге қарсы ғәзебим лаўлады ҳәм ол сөнбейди. 18Жаратқан Ийеден сораў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: сен еситкен сөзлер туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: 19Бул жер ҳәм бул жерде жасайтуғынлардың ўайран етилиўге ҳәм нәлетке ҳүким етилгени ҳаққында Мениң сөзлеримди еситкенде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. 20Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“». Олар бул хабарды патшаға жеткизди.

 

23

 

Йосияның бутпаразлықты жоқ қылыўы

 

1Патша Йосия адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын өз жанына топлады. 2Соңынан ол пүткил Яҳуда менен пүткил Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, пайғамбарларды, үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин оларға даўыслап оқып берди. 3Кейин патша өрениң жанындағы арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, бул китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. Пүткил халық та келисимге қосылды.
4Соннан соң, патша бас руўханий Хилкияға, екинши дәрежели руўханийлерге ҳәм босағадағы қадағалаўшы руўханийлерге Баалға, Ашераға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап исленген ҳәмме нәрселерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шығыўды буйырды. Оларды Ерусалимниң сыртындағы Кидрон ойпатлығында өртетип, күлин Бейт-Элге апарғызды. 5Патша Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим әтирапындағы сыйыныў орынларында түтетки түтетиў ушын Яҳуда патшалары тәрепинен тайынланған бутқа хызмет етиўши руўханийлерди, Баалға, қуяшқа, айға, жулдызларға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап түтетки түтеткенлерди жоқ қылды. 6Ашера бутын Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Ерусалимниң сыртына, Кидрон сайына шығарды. Оны сол жерде жағып, күл-талқан етти ҳәм күлин улыўма халықлық қәбирлердиң үстине шашты. 7Бузықшылық ислеўши еркеклердиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы үйлерин бузып таслады. Ол жерде ҳаяллар Ашера бутына арнап, кийимлер тоқыйтуғын еди.
8Йосия Яҳуда қалаларындағы Жаратқан Ийениң ҳәмме руўханийлерин жыйнап, Ерусалимге алып келди. Кейин Гебадан Беер-Шебаға шекемги руўханийлер түтетки түтетип, сыйынатуғын орынларды ҳарамлады. Қала ҳәкими болған Ешуаның дәрўазасына кирер аўыздағы сыйыныў орынларын да жоқ қылды. Бул дәрўаза қала дәрўазасының шеп тәрепинде еди. 9Сыйыныў орынларының руўханийлери Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында қурбанлық бере алмаса да, олар өз кәсиплеслери болған руўханийлер менен ашытқысыз нан жейтуғын еди.
10Йосия ҳеш кимниң қудай Молохқа арнап өз улын яки қызын отта жандырмаўы ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетти де ҳарамлады. 11Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер алдына, сарай хызметшиси Натан-Мелехтиң бөлмесиниң қасына Яҳуданың бурынғы патшаларының қуяшқа арнап қойдырған атларының мүсинлерин алып таслап, олардың арбаларын отта жандырды.
12Йосия Ахаздың жоқарыдағы бөлмесиниң тамбасындағы Яҳуданың бурынғы патшалары қурдырған қурбанлық орынларын да, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисиндеги Менашшениң қурдырған қурбанлық орынларын да буздырды. Оларды майдалап езип, Кидрон сайына шашып жиберди. 13Және ол Ерусалимниң шығысына, Зәйтүн таўының[11] қубласына Израил патшасы Сулайманның сидонлылардың жеркенишли буты Аштарта, моаблылардың жеркенишли буты Кемош ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға арнап қурдырған сыйыныў орынларын ҳарамлады. 14Йосия кийели тасларды күл-талқан етип, Ашера бутларын кесип таслады ҳәм олардың орынларын адам сүйегине толтырды.
15Буннан тысқары, Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробам қурдырған Бейт-Элдеги сыйыныў орнын ҳәм қурбанлық орнын жоқ қылды. Ол сыйыныў орнын жағып жиберип, күлин көкке суўырды, Ашера бутын да жағып жиберди. 16Йосия айналасына қарап, таў үстиндеги қәбирлерди көрди. Ол адамларын жиберип, қәбирдеги сүйеклерди алдыртты ҳәм оларды қурбанлық орынның үстинде жағып жиберип, қурбанлық орынды ҳарамлады. Бул Жаратқан Ийениң Қудайдың адамы арқалы алдын ала айтқан сөзлери бойынша болды.
17Йосия:
– Ана жердеги қулпы тас кимдики? – деп сорады.
Қала турғынлары оған:
– Яҳудадан келген Қудайдың адамының қәбири. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында ҳәзир сиз ислеген ислер туўралы алдын ала жәриялаған еди, – деп жуўап берди.
18Сонда патша:
– Оған тиймеңлер, ҳеш ким оның сүйеклериниң тынышын алмасын, – деди. Солай етип, оның сүйеклерине де, Самариядан келген пайғамбардың сүйеклерине де ҳеш ким тиймеди.
19Израил патшалары Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирип, Самария қалаларындағы сыйыныў орынларына бутханалар қурдырған еди. Йосия Бейт-Элде ислегенлерин бул жерде де ислеп, бул бутханаларды да қыйратып таслады. 20Ол сол жердеги сыйыныў орынларының руўханийлерин қурбанлық орын үстинде баўызлап, сол жерде адам сүйеклерин жандырды ҳәм соңынан Ерусалимге қайтып келди.

 

Йосияның Қутқарылыў байрамын өткериўи

 

21Патша Йосия пүткил халыққа: «Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын мына Келисим китабында жазылғаны бойынша байрамлаңлар», – деп буйрық берди. 22Себеби Израилда бийлер басқарған дәўирден баслап, Израил ҳәм Яҳуда патшалары басқарған дәўир бойы Қутқарылыў байрамы усылай байрамланбаған еди. 23Жаратқан Ийеге арналған бул Қутқарылыў байрамы Йосияның патшалығының он сегизинши жылында, Ерусалимде болып өтти.
24Буннан басқа, Йосия руўханий Хилкияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан тапқан китабында жазылған нызам сөзлерин орынлаў ушын, Ерусалимде ҳәм Яҳуда жеринде пайда болған барлық жеркенишли ислерди: әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшыларды, үй қудайларының мүсинлерин ҳәм бутларды жоқ қылды. 25Йосиядан алдын да, оннан кейин де оған уқсап Муўсаның ҳәмме Нызамларына бойсынып, пүткил жан-тәни ҳәм бар күши менен Жаратқан Ийеге жүз бурған патша болмады.
26Бирақ Менашше өз ислери арқалы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын, Ол Өзиниң Яҳудаға қарсы лаўлаған ғәзебинен ўаз кешпеди. 27Жаратқан Ийе былай деди: «Израилды дәргайымнан қалай қуўып шығарған болсам, Яҳуданы да солай қуўып шығараман. Таңлап алған қалам Ерусалимнен ҳәм „атым сол жерде болады“ деген Ибадатханадан жүз бураман».

 

Йосияның өлими

 

28Йосияның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
29Йосияның ҳүкимдарлығы ўақтында, Мысыр фараоны Нехо Ассирия патшасына жәрдем бериў ушын, Евфрат дәрьясына қарай жолға шықты. Патша Йосия да Нехоға қарсы жүрис қылды ҳәм олар Мегиддода дусласқанда Нехо Йосияны өлтирди. 30Хызметшилери Йосияның денесин арбаға салып, Мегиддодан Ерусалимге алып келди ҳәм өз қәбирине жерледи. Үлке халқы Йосияның улы Еҳоахазды майлап, әкесиниң орнына патша етип қойды.

 

Яҳуда патшасы Еҳоахаз

 

31Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди. 32Еҳоахаз ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 33Еҳоахаздың Ерусалимде патшалық етпеўи ушын, фараон Нехо оны Хамат үлкесинде, Риблада тутқынға алды ҳәм үлке халқына жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды. 34Фараон Нехо Йосияның улы Элякимди әкесиниң орнына патша етип қойды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды Мысырға алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. 35Еҳояким фараон талап еткен гүмис ҳәм алтынды берди. Буның ушын ол үлке халқына ҳәр бириниң мал-мүлкине сай салық салып, халықтан гүмис ҳәм алтын өндирип алды.

 

Яҳуда патшасы Еҳояким

 

36Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Зебуда болып, ол румалы Педаяның қызы еди. 37Еҳояким ата-бабалары сыяқлы, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.

 

24

 

1Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығы дәўиринде Бабилон патшасы Набуходоносор Яҳудаға ҳүжим жасады. Еҳояким үш жыл оған бағынышлы болып, соңынан оған қарсы бас көтерди. 2Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яҳуданы жоқ етиў ушын Бабилон[12], Арам, Моаб ҳәм Аммон еллериниң басқыншы топарларын Яҳудаға жиберди. 3Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳуданың басына түсти. Менашше ислеген барлық гүналар себепли, Жаратқан Ийе оны Өз дәргайынан қуўып шығармақшы болды. 4Себеби Жаратқан Ийе Менашшениң айыпсыз қан төгип, Ерусалимди айыпсызлардың қанына толтырғанын кешириўди қәлемеди.
5Еҳоякимниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 6Еҳояким өлип, ата-бабаларына қосылды, орнына улы Еҳоякин патша болды.
7Мысыр патшасы енди өз жеринен сыртқа шықпады. Себеби Бабилон патшасы Мысыр шегарасындағы сайдан Евфрат дәрьясына шекемги Мысыр патшасына тийисли барлық жерлерди басып алған еди.

 

Яҳуда патшасы Еҳоякин

 

8Еҳоякин он сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасы ерусалимли Элнатанның қызы Нехушта еди. 9Еҳоякин де әкеси сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
10Сол ўақытлары Бабилон патшасы Набуходоносордың әскерлери Ерусалимге қарсы жүрис қылып, қаланы қамал қылды. 11Әскерлери қаланы қамал қылғанда, Бабилон патшасы Набуходоносордың өзи де қалаға келди. 12Сонда Яҳуда патшасы Еҳоякин анасы, ўәзирлери, басшылары ҳәм сарай хызметшилери менен бирге Бабилон патшасына тәслим болды. Бабилон патшасы өз патшалығының сегизинши жылында, Еҳоякинди тутқынға алды. 13Жаратқан Ийениң алдын ала айтқан сөзи бойынша, Набуходоносор Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Израил патшасы Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен алтын буйымларының ҳәммесин сындырды. 14Ол және пүткил Ерусалим турғынларын: басшылардың, мәрт жаўынгерлердиң, усталардың ҳәм темиршилердиң барлығын, улыўма он мың адамды сүргин етип алып кетти. Үлкеде жарлы халықтан басқа ҳеш ким қалмады.
15Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякинди Бабилонға сүргин етти. Оның анасын, ҳаялларын, сарай хызметшилерин ҳәм үлкениң елбасшыларын да Ерусалимнен Бабилонға сүргин етти. 16Буннан тысқары Бабилон патшасы жети мың сайланды әскерди, мың уста ҳәм темиршини Бабилонға сүргин етти. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы ҳәм мәрт жаўынгерлер еди. 17Бабилон патшасы Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Маттанияны патша етип қойды ҳәм атын Седекия деп өзгертти.

 

Яҳуда патшасы Седекия

 

18Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди. 19Еҳоякимге уқсап, Седекия да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 20Жаратқан Ийениң Ерусалим менен Яҳудаға ғәзеби келгени соншелли, оларды Ол Өз дәргайынан шығарып таслады.

 

Ерусалимниң қулаўы

 

Седекия Бабилон патшасына қарсы бас көтерди.

 

25

 

1Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни[13] Бабилон патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың дөгерегине топырақ үйди. 2Қала Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин қамалда болды. 3Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни[14] қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, халықта бир тислем нан да қалмады. 4Сол ўақытта қала дийўалының бир жери бузылды. Бабилон әскерлериниң қаланы қамал қылып турғанына қарамастан, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти. 5Бирақ Бабилон әскерлери патшаны қуўып кетип, Ерихо тегислигинде оған жетип алды. Ҳәмме әскерлер патша Седекияны таслап, қашып кетти. 6Патшаны тутқынға алып, оны Риблаға, Бабилон патшасына апарды ҳәм сол жерде оған ҳүким шығарылды. 7Бабилонлылар Седекияның көз алдында улларын баўызлады, ал өзиниң көзлерин ойып алды. Соңынан кисенлеп, Бабилонға алып кетти.

 

Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қулаўы

 

8Бабилон патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының жетинши күни Бабилон патшасының хызметшиси, сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди. 9Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги ҳәмме үйлерге от берип, барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберди. 10Сақшылар басшысы менен бирге келген Бабилон әскерлери Ерусалим дөгерегиндеги дийўалларды қулатып таслады. 11Сақшылардың басшысы Набузарадан қалада қалғанларды, Бабилон патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм басқа әпиўайы халықты сүргин етти. 12Набузарадан жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын үлкедеги жарлы халықтың бир қаншасын таслап кетти.
13Бабилонлылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳаўызды бөлеклеп, қоланы Бабилонға алып кетти. 14Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, пилик кескишлерди, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм қоладан исленген ҳәмме нәрселерди алып кетти. 15Сақшылар басшысы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, шоқ салынатуғын ыдысларды ҳәм қан себетуғын табақларды алып кетти.
16Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын Сулайман ислеткен еки өре, ҳаўыз ҳәм түбелдириклер ушын кеткен қоланың есабы жоқ еди. 17Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ болып, үстинде қоладан исленген төбелик бар еди. Ҳәр бир төбеликтиң бийиклиги үш шығанақ болып, олар айландырып қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди.

 

Яҳуда халқының Бабилонға сүргин етилиўи

 

18Сақшылар басшысы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы үш қадағалаўшы руўханийди тутқынға алды. 19Және де, ол Ерусалимде қалған әскерлердиң әскербасысын, патшаның бес ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм үлке халқының алпысын тутқынға алды. 20Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилон патшасына алып барды. 21Бабилон патшасы Хамат жеринде, Риблада оларды өлтиртти.
Солай етип, Яҳуда халқы өз үлкесинен сүргин етилди.

 

Яҳуда ҳәкими Гедалия

 

22Бабилон патшасы Набуходоносор Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны Яҳудада қалған халық үстинен ҳәким етип тайынлады. 23Ҳәмме әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилон патшасының Гедалияны ҳәким етип қойғанын еситкенде, Миспа қаласына, Гедалияның жанына келди. Келгенлер Нетания улы Исмайыл, Қареах улы Юханан, нетофалы Танхумет улы Серая, маахалының улы Язания ҳәм олардың адамлары еди. 24Гедалия оларға ҳәм олардың адамларына ант ишип: «Бабилонлы хызметкерлердиң қол астында болыўдан қорқпаңлар. Үлкеге орналасып, Бабилон патшасына хызмет етиңлер. Сонда сизлер ушын жақсы болады», – деди.
25Бирақ усы жылдың жетинши айында патша нәсилинен болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспаға барып, Гедалияны өлтирди. Олар Миспада Гедалияның жанында болған Яҳуда халқын да калдейлилер менен бирге қылыштан өткерди. 26Сонда үлкенинен кишкенесине дейин пүткил халық калдейлилерден қорққанынан әскербасылар менен бирге Мысырға қашты.

 

Еҳоякинниң азат етилиўи

 

27Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Эўил-Меродах Бабилонға патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни[15] Яҳуда патшасы Еҳоякинди зинданнан шығарды. 28Патша оған жақсы қатнаста болды ҳәм оған Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан жоқарырақ болған мәртебе берди. 29Солай етип, Еҳоякин зиндандағы кийимлерин шешип, таза кийимлер кийди ҳәм өмириниң ақырына шекем патша дастурханынан аўқат жеди. 30Және де, өмириниң ақырына шекем оған күнделикли керек-жарағы патша тәрепинен берилди.

 

 

 

Биринши шежире

Биринши шежире китабы

 

 

1

 

Адам-атадан Ибрайымға дейинги урпақлар

 

1Адам, Шет, Энош, 2Кенан, Маҳалалел, Еред, 3Ханох, Метушелах, Ламех ҳәм 4Нух.
Нухтың уллары: Сам, Хам ҳәм Яфет.
5Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
6Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
7Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Роданим[1].
8Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Кенаан.
9Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха.
Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
10Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды.
11Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух, 12патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
13Кенааннан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды. 14Сондай-ақ, ебус, амор, гиргаш, 15хиў, арқ, син, 16арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Кенааннан келип шықты.
17Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд, Арам, Ус, Хул, Гетер ҳәм Мешех. 18Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды. 19Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег[2] еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Йоқтан еди.
20Йоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах, 21Ҳадорам, Узал, Дикла, 22Эбал, Абимаел, Шеба, 23Офир, Хаўила, Йобаб туўылды. Булардың ҳәммеси Йоқтанның урпақлары еди.
24Сам, Арпахшад, Шелах, 25Эбер, Пелег, Реу, 26Серуг, Нахор, Терах, 27Ибрам, яғный Ибрайым.

 

Ибрайымның урпақлары

 

28Ибрайымның уллары: Ысақ ҳәм Исмайыл. 29Олардың шежиреси мынадай: Исмайылдың туңғыш улы Небайот. Оннан кейин, Кедар, Адбеел, Мибсам, 30Мишма, Дума, Масса, Ҳадад, Тема, 31Етур, Нафиш, Кедма. Булар Исмайылдың уллары еди.
32Ибрайымның тоқалы Қатурадан туўылған уллары мыналар: Зимран, Йоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах.
Йоқшанның уллары: Шеба ҳәм Дедан. 33Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Ибрайымның Қатурадан туўылған урпақлары еди.

 

Эсаўдың урпақлары

 

34Ысақ Ибрайымның улы еди.
Ысақтың уллары: Эсаў ҳәм Израил.
35Эсаўдың уллары: Элифаз, Реуел, Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
36Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам, Кеназ ҳәм Тимнадан туўылған Амалек.
37Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза.

 

Сеирдиң урпағы

 

38Сеирдиң уллары: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, Дишон, Эсер ҳәм Дишан.
39Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳомам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
40Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефий ҳәм Онам.
Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана.
41Ананың улы: Дишон.
Дишонның уллары: Хамран, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
42Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Яақан.
Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.

 

Эдом патшалары

 

43Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти: Беор улы Бела. Оның қаласының аты Динҳаба еди. 44Бела өлгеннен кейин, орнына Босра қаласынан болған Зерах улы Йобаб патша болды. 45Йобаб өлгеннен кейин, теманлылардың жеринен келген Хушам патша болды. 46Хушам өлгеннен кейин, Моаб жеринде мидянлыларды қыйратқан Бедад улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди. 47Ҳадад өлгеннен кейин, орнына масреқалы Самла патша болды. 48Самла өлгеннен соң, орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды. 49Шаул өлгеннен соң, орнына Ахбор улы Баал-Ханан патша болды. 50Баал-Ханан өлгеннен соң, орнына Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Пау еди. Ҳададтың ҳаялы Меҳетабел Мезаҳабтың ақлығы Матредтиң қызы еди. 51Соңынан Ҳадад та өлди.
Эдом бийлери мыналар: Тимна, Алўа, Етет, 52Оҳолибама, Эла, Пинон, 53Кеназ, Теман, Мибсар, 54Магдиел ҳәм Ирам. Эдом бийлери усылар еди.

 

2

 

Израилдың уллары

 

1Израилдың уллары мыналар: Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Зебулон, 2Дан, Юсуп, Бенямин, Нафталий, Гад ҳәм Ашер.

 

Яҳуданың урпақлары

 

3Яҳуданың уллары: Эр, Онан ҳәм Шела. Яҳудаға бул үш улды кенаанлы Шуаның қызы туўып берди. Яҳуданың туңғыш улы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти ислегени ушын, Жаратқан Ийе оны өлтирди. 4Яҳуданың келини Тамара да оған Перес пенен Зерахты туўып берди. Яҳуданың барлығы болып бес улы болды.
5Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
6Зерахтың уллары: Зимрий, Этан, Ҳеман, Калкол ҳәм Дара. Олар барлығы болып бесеў еди.
7Кармийдиң улы: бағышланған нәрселерге қыянет ислеп, Израилға апат әкелген Ахар.
8Этанның улы: Азария.
9Хесронның уллары: Ерахмеел, Рам ҳәм Келубай.
10Рамнан Амминадаб, Амминадабтан Яҳуда урыўының көсеми Нахшон туўылды. 11Нахшоннан Салма, Салмадан Боаз, 12Боаздан Обид, Обидтен Ишай туўылды.
13Ишайдың жети улы болды: туңғышы Элиаб, екиншиси Абинадаб, үшиншиси Шимеа, 14төртиншиси Нетанел, бесиншиси Раддай, 15алтыншысы Осем, жетиншиси Даўыт. 16Олардың Серуя ҳәм Абигайыл деген қарындасы болды.
Серуяның үш улы бар еди: Абишай, Йоаб ҳәм Асаҳел. 17Исмайыл урпағынан болған Етерге турмысқа шыққан Абигайыл Амасаны туўды.
18Хесронның улы Калебтиң Азуба ҳәм Ериот деген ҳаяллары болды. Оның Азубадан туўылған уллары: Ешер, Шобаб ҳәм Ардон. 19Азуба өлгеннен кейин, Калеб Эфратаға үйленди. Эфрата оған Хурды туўып берди. 20Хурдан Урий туўылды. Урийден Бесалел туўылды.
21Буннан соң, Хесрон Гиладтың әкеси Махир деген адамның қызы менен жатты ҳәм алпыс жасында үйленген бул ҳаялы оған Сегубты туўып берди. 22Яир Сегубтың улы еди. Яирдиң Гилад жеринде жигирма үш қаласы бар еди. 23Бирақ Гешур менен Арам Яирге тийисли қалаларды, сондай-ақ, Кенатты ҳәм оның айланасындағы алпыс қаланы басып алды. Бул жерлерде жасап атырған барлық халық Гиладтың әкеси Махирдиң урпағынан еди.
24Хесрон Калеб-Эфратада қайтыс болғаннан соң, ҳаялы Абия Ашхурды туўды. Ашхур Теқоаның әкеси еди.

 

Хесронның улы Ерахмеелдиң урпақлары

 

25Хесронның туңғыш улы Ерахмеелдиң уллары: туңғыш улы Рам, кейин Буна, Орен, Осем ҳәм Ахия. 26Ерахмеелдиң Атара деген басқа бир ҳаялы болып, ол Онамның анасы еди.
27Ерахмеелдиң туңғыш улы Рамның уллары: Маас, Ямин ҳәм Экер.
28Онамның уллары: Шаммай, Яда.
Шаммайдың уллары: Надаб, Абишур. 29Абишурдың Абиҳайыл деген ҳаялы болып, усы ҳаялы оған Ахбан менен Молидти туўып берди.
30Надабтың уллары: Селед ҳәм Аппайым. Селед бийперзент дүньядан өтти.
31Аппайымның улы: Иший.
Ишийдиң улы: Шешан.
Шешанның улы: Ахлай.
32Шаммайдың туўысқаны Яданың уллары: Етер ҳәм Йонатан. Етер бийперзент дүньядан өтти.
33Йонатанның уллары: Пелет ҳәм Заза. Булар Ерахмеелдиң урпақлары еди.
34Шешанның улы болмай, тек қызлары бар еди. Шешанның Ярха деген мысырлы бир қулы бар еди. 35Шешан қызын қулы Ярхаға ҳаяллыққа берди. Ҳаялы оған Аттайды туўып берди.
36Аттайдан Натан туўылды. Натаннан Забад, 37Забадтан Эфлал, Эфлалдан Обид, 38Обидтен Еҳу, Еҳудан Азария, 39Азариядан Хелес, Хелестен Эласа, 40Эласадан Сисмай, Сисмайдан Шаллум, 41Шаллумнан Еқамия, Еқамиядан Элишама туўылды.

 

Хесрон улы Калебтиң урпақлары

 

42Ерахмеелдиң иниси Калебтиң уллары: туңғыш улы Зифтиң әкеси Меша ҳәм екиншиси Хебронның әкеси Мареша болды.
43Хебронның уллары: Қорах, Таппуах, Рекем ҳәм Шема. 44Шемадан Рахам, Рахамнан Йорқоам туўылды. Шеманың әжағасы Рекемнен Шаммай туўылды. 45Шаммайдан Маон, Маоннан Бейт-Сур туўылды.
46Калебтиң тоқалы Эфа оған Харан, Моса ҳәм Газезди туўып берди. Харанның улының аты да Газез еди.
47Яҳадайдың уллары: Регем, Йотам, Гешан, Пелет, Эфа ҳәм Шааф.
48Калебтиң Мааха атлы басқа тоқалы оған Шебер менен Тирхананы туўып берди. 49Мааха Мадманнаның әкеси Шаафты ҳәм Махбена менен Гибаның әкеси Шеўаны да туўды. Калебтиң Ахса деген бир қызы болды. 50Булардың ҳәммеси Калебтиң урпақлары еди.
Калебтиң ҳаялы Эфратадан туўылған туңғыш улы Хурдың уллары: Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобал, 51Бейтлеҳемниң тийкарын салған Салма, Бейт-Гадердиң тийкарын салған Хареф.
52Кирят-Яримниң тийкарын салған Шобалдан ҳарое халқы, Менухотта жасайтуғын халықтың ярымы ҳәм 53Кирят-Яримде мәкан басқан итер, пут, шумат, мишра тийрелери пайда болды. Бул тийрелерден Сора менен Эштаол турғынлары келип шықты.
54Салмадан тараған урпақлар: Бейтлеҳем, Нетофа, Атрот-Бейт-Йоаб, Манахаттың ярымы ҳәм Сора турғынлары,
55Ябесте жасайтуғын хаткерлердиң тират, шимеат ҳәм сухат тийрелери. Булар Рекаб урпақларының бабасы Хамматтың нәсилинен келип шыққан кен халқы болады.

 

3

 

Даўыттың уллары

 

1Даўыттың Хебронда туўылған уллары мыналар: туңғышы изреелли Ахиноамнан туўылған Амнон, екиншиси кармелли Абигайылдан туўылған Даниел, 2үшиншиси Гешур патшасы Талмайдың қызы Маахадан туўылған Абшалом, төртиншиси Хаггиттен туўылған Адония, 3бесиншиси Абиталдан туўылған Шефатия, алтыншысы ҳаялы Эгладан туўылған Итреам. 4Даўыттың бул алты улы Хебронда туўылды. Даўыт Хебронда жети жыл алты ай, соңынан Ерусалимде отыз үш жыл патшалық қылды. 5Даўыттың Ерусалимде туўылған уллары: Шимеа, Шобаб, Натан ҳәм Сулайман. Бул төртеўи Аммиелдиң қызы Бат-Шуадан[3] туўылды. 6Олардан басқа Даўыттың Ибхар, Элишама, Элифелет, 7Ногаҳ, Нефег, Яфиа, 8Элишама, Эляда ҳәм Элифелет деген тоғыз улы болды. 9Булардың барлығы Даўыттың ҳаялларынан туўылған уллары еди. Оның тоқалларынан туўылған уллары да болды. Даўыттың Тамара деген қызы да бар еди.

 

Сулайман патшаның урпағы

 

10Рехабам Сулайманның улы еди. Рехабамнан Абия, Абиядан Аса, Асадан Еҳошафат, 11Еҳошафаттан Йорам[4], Йорамнан Ахазия, Ахазиядан Йоаш, 12Йоаштан Амасия, Амасиядан Азария, Азариядан Йотам, 13Йотамнан Ахаз, Ахаздан Хизкия, Хизкиядан Менашше, 14Менашшеден Амон, Амоннан Йосия туўылды.
15Йосияның уллары: туңғыш улы Юханан, екиншиси Еҳояким, үшиншиси Седекия, төртиншиси Шаллум.
16Еҳоякимниң уллары: Еҳония[5] ҳәм Седекия.
17Еҳоякинниң Бабилонға сүргин етип алып кетилген уллары: Шеалтиел, 18Малкирам, Педая, Шенассар, Еқамия, Ҳошама ҳәм Недабия.
19Педаяның уллары: Зеруббабел ҳәм Шимей.
Зеруббабелдиң перзентлери: Мешуллам, Ханания ҳәм қарындасы Шеломит. 20Зеруббабелдиң және бес улы бар еди: Хашуба, Оҳел, Берехия, Хасадия ҳәм Юшаб-Хесед.
21Хананияның уллары: Пелатия ҳәм Ешая. Ешаядан Рефая, Рефаядан Арнан, Арнаннан Обадия, Обадиядан Шекания туўылды.
22Шеканияның улы Шемая еди.
Шемаяның уллары: Хаттуш, Игал, Бариах, Неария, Шафат – барлығы болып алтаў.
23Неарияның уллары: Элйоенай, Хизкия, Азриқам – барлығы болып үшеў.
24Элйоенайдың уллары: Ҳодаўия, Эляшиб, Пелая, Аққуб, Юханан, Делая ҳәм Ананий – барлығы болып жетеў.

 

4

 

Яҳуданың урпағы

 

1Яҳуданың урпақлары: Перес, Хесрон, Кармий, Хур ҳәм Шобал. 2Шобалдың улы Реая Яхаттың әкеси еди. Яхат Ахумай менен Лаҳадтың әкеси еди. Булар Сора турғынларының тийрелери еди.
3Изреел, Ишма, Идбаш ҳәм олардың қарындасы Ҳаселелпонийдиң әкеси Этамның тийкарын салған еди. 4Пенуел Гедордың ҳәм Эзер Хушаның тийкарын салған еди. Булар Бейтлеҳемниң тийкарын салыўшылар ҳәм Эфратаның туңғыш улы Хурдың урпақлары еди.
5Теқоа қаласының тийкарын салған Ашхурдың Хела ҳәм Наара деген еки ҳаялы бар еди. 6Наара Ашхурға Ахуззам, Хефер, Темени ҳәм Ахаштарийди туўып берди. Булар Наараның уллары еди.
7Ашхурдың Хеладан туўылған уллары: Серет, Сохар, Этнан 8ҳәм Қос. Қос Ануб пенен Ҳассобебаның әкеси ҳәм Ҳарум улы Ахархел тийрелериниң түп бабасы еди.
9Ябес деген бир адам туўысқанларына қарағанда абырайлырақ еди. Анасы: «Оны азап шегип туўдым», – деп, атын Ябес қойған еди. 10Ябес Израилдың Қудайына: «О, қәнекей, Сен мени жарылқап, жерлеримди кеңейткениңде еди! Қолың мениң үстимде болып, азап шекпеўим ушын, мени жаманлықтан сақласаң еди!» – деп жалбарынды. Қудай оның тилегин орынлады.
11Шуханың туўысқаны Келуб Мехирдиң әкеси, Мехир Эштонның әкеси еди. 12Эштоннан Бейт-Рафа, Пасеах ҳәм Техинна туўылды. Техинна Ир-Нахаштың тийкарын салды. Булар бурын Рехада жасайтуғын еди.
13Кеназдың уллары: Отниел ҳәм Серая.
Отниелдиң уллары: Хатат ҳәм Меонотай. 14Меонотай Офраның әкеси еди. Серая Ге-Харашимның тийкарын салған Йоабтың әкеси еди. Булай аталыўының себеби, сол жердиң турғынлары өнерментшилик пенен шуғылланатуғын еди.
15Ефунне улы Калебтиң уллары: Иру, Эла ҳәм Наам. Эланың улы: Кеназ.
16Еҳаллелелдиң уллары: Зиф, Зифа, Тирия ҳәм Асарел.
17Эзраның уллары: Етер, Меред, Эфер, Ялон. Меред фараонның қызы Битеаға үйленип, ол Мередке Мәриямды, Шаммайды ҳәм Эштемоаның тийкарын салған Ишбахты туўып берди. 18Меред және яҳудий қызға үйленди. Бул ҳаялы оған Гедордың тийкарын салған Ередти, Сохоның тийкарын салған Хеберди ҳәм Заноахтың тийкарын салған Еқутиелди туўып берди.
19Ҳодия Нахамның қарындасына үйленди. Оннан туўылған уллар Кеилада жасайтуғын Гарм тийресиниң ҳәм Эштемоада жасайтуғын Мааха тийресиниң түп бабасы еди.
20Шимонның уллары: Амнон, Ринна, Бен-Ханан ҳәм Тилон.
Ишийдиң урпақлары: Зохет ҳәм Бен-Зохет.
21Яҳуданың улы Шеланың уллары: Леханың тийкарын салған Эр, Марешаның тийкарын салған Лаада, Бейт-Ашбеадағы ҳасыл зығыр тоқыўшылардың әўладлары, 22Йоким, Козеба турғынлары, Моаб пенен Яшубий-Лехемди басқарған Йоаш пенен Сараф. Бул мағлыўматлар әййемги жазбалардан алынған. 23Олар Нетаим ҳәм Гедерада жасайтуғын ҳәм гүлалшылық етип, патша ушын хызмет ететуғын еди.

 

Шимонның урпағы

 

24Шимонның урпақлары: Немуел, Ямин, Яриб, Зерах ҳәм Шаул. 25Шаулдан Шаллум, Шаллумнан Мибсам, Мибсамнан Мишма туўылды.
26Мишманың урпақлары: Мишмадан Хаммуел, Хаммуелден Заккур, Заккурдан Шимей туўылды.
27Шимейдиң он алты улы, алты қызы бар еди. Бирақ оның туўысқанларының перзентлери аз болғанлықтан, олардың урыўы Яҳуда урыўындай үлкен болмады. 28Шимонның урпақлары Беер-Шеба, Молада, Хасар-Шуал, 29Билҳа, Эсем, Толад, 30Бетуел, Хорма, Сиклаг, 31Бейт-Маркабот, Хасар-Сусим, Бейт-Бирий ҳәм Шаарайым қалаларында жасады. Даўыттың патшалығына дейин усы қалалар Шимонның урпақларына тийисли болды. 32Олардың әўладлары Этам, Айын, Риммон, Тохен ҳәм Ашан атлы бес қалада да жасады. 33Баалға дейин созылған бул қалалардың дөгерегиндеги барлық аўыллар да оларға тийисли болды. Олар сол жерлерде жасап, өзлериниң шежиресин жазып барды.
34Шимонның басқа урпақлары: Мешобаб, Ямлех, Амасия улы Йоша, 35Йоел, Асиелдиң шаўлығы Сераяның ақлығы Йошибияның улы Еҳу, 36Элйоенай, Яақоба, Ешохая, Асая, Адиел, Есимиел, Беная 37ҳәм Шемаяның жаўлығы Шимрийдиң қуўлығы Едаяның шаўлығы Аллонның ақлығы Шифий улы Зиза. 38Жоқарыда аты аталғанлардың ҳәр бири тийре басшылары еди. Олардың нәсиллери көбейип, кеңнен тарады. 39Олар малларына жайлаў излеп, Гедордың жанына, ойпатлықтың шығысына дейин барды. 40Ол жерде мол ҳәм жақсы жайлаўлар болып, үлке кең, тыныш ҳәм қәўипсиз еди. Бурын ол жерде Хамның урпақларының айырымлары жасаған еди.
41Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде, жоқарыда аты аталған Шимон урпақлары Хам урпақларына ҳәм сол жерде жасап атырған Меуним урпақларына ҳүжим жасап, оларды толық қырып таслады. Соңынан өзлери сол жерге жайласып алды, олар бүгин де сол жерде жасайды. Себеби ол жерде сүриўлери ушын жайлаў бар еди. 42Кейин Ишийдиң уллары Пелатия, Неария, Рефая ҳәм Уззиел басшылығында Шимонның урпағынан бес жүз адам таўлы Сеир үлкесине барып, 43Амалек нәсилинен аман қалғанларды қырып таслады. Шимон урпақлары бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.

 

5

 

Рубенниң урпағы

 

1Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары. Рубен Израилдың туңғыш улы еди. Бирақ ол әкесиниң төсегин ҳарамлағаны ушын, туңғышлық ҳуқықы Израилдың улы Юсуптиң улларына берилди. Сол себепли Рубен шежиреде туңғыш ул сыпатында дизимге алынбаған. 2Яҳуда туўысқанлары ишинде ең күшлиси болып, ҳүкимдар оның урпағынан шықса да, туңғышлық ҳуқықы Юсупке тийисли болды.
3Израилдың биринши улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
4Йоелдиң урпағы: Йоелдиң улы Шемая, Шемаяның улы Гог, Гогтың улы Шимей, 5Шимейдиң улы Миха, Миханың улы Реая, Реаяның улы Баал ҳәм 6Баалдың улы Беера. Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер[6] Беераны сүргин қылып алып кеткенде, ол Рубен урыўының көсеми еди. 7Беераның ағайинлери шежиреде тийрелери бойынша былай дизимге алынған: жетекши Еиел, Зехария 8ҳәм Бела. Бела Азаздың улы, Шеманың ақлығы ҳәм Йоелдиң шаўлығы еди. Олар Ароерден баслап Небо менен Баал-Меонға дейин созылған жерлерде жасады. 9Олардың Гилад жериндеги падалары көбейип кеткенликтен, шығыс тәрептеги Евфрат дәрьясына қарай созылған шөлге дейинги жерлерди ийелеп алды.
10Шаулдың патшалық қылған дәўиринде, Рубен урпағы Ажар урпағына қарсы урыс ашты. Оларды жеңип, Гиладтың шығыс тәрепиндеги оларға тийисли барлық жерлерди ийелеп алды.

 

Гадтың урпағы

 

11Гад урыўы Рубен урыўына қоңсылас Башан аймағында Салкаға дейин созылған жерлерде жасады. 12Башан жеринде Йоел басшы еди, Шафам екинши дәрежели басшы, Янай ҳәм Шафат олардан кейингилер еди.
13Олардың ағайинлери, басқа жети тийрениң басшылары мыналар: Михаел, Мешуллам, Шеба, Йорай, Якан, Зиа ҳәм Эбер. 14Булар Абихайылдың уллары болып, Абихайыл Хурийдиң, Хурий Яроахтың, Яроах Гиладтың, Гилад Михаелдиң, Михаел Ешишайдың, Ешишай Яхдоның, Яхдо Буздың улы еди.
15Гунийдиң ақлығы, Абдиелдиң улы Ахий усы тийрелердиң басшысы еди. 16Гадлылар Гиладта, Башанда, оларға тийисли аўылларда ҳәм Шаронның барлық жайлаўларының шегараларына дейинги жерлерде жасады. 17Булардың ҳәммеси Яҳуда патшасы Йотамның ҳәм Израил патшасы Яробамның патшалық еткен дәўиринде шежиреге киргизилген.
18Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымында урысқа жарамлы қырқ төрт мың жети жүз алпыс адам бар еди. Олардың ҳәммеси қалқан ҳәм қылыш услап, оқ жай тартып, урыса алатуғын батырлар еди. 19Олар Ажар урпақларына, Етур, Нафиш ҳәм Нодаб қәўимлерине қарсы урыс алып барды. 20Оларды жеңиўде Рубен, Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жәрдем берилди ҳәм Қудай Ажар урпақлары менен оның аўқамласларын оларға тәслим етти. Себеби олар урысып атырып, даўыслап Қудайды шақырған еди. Қудай да олардың дуўасына жуўап берди, өйткени олар Оған исенген еди. 21Олар Ажар урпақларының малларын: елиў мың түйе, еки жүз елиў мың қой, еки мың ешекти олжа қылып, жүз мың адамды тутқынға алды. 22Оларға қарсы Қудайдың Өзи урысқанлығы себепли, душпанлардың көпшилиги саўашта қырылып кетти. Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы сүргинге дейин сол жерлерде жасады.

 

Менашше урыўының ярымы

 

23Менашше урыўының ярымы көп санлы еди. Олар Башаннан Баал-Хермонға, Сенир ҳәм Хермон таўына дейин созылған жерлерде жасады. 24Олардың әўлад басшылары мыналар:
Эфер, Иший, Элиел, Азриел, Еремия, Ҳодаўия ҳәм Яхдиел. Булар мәрт жаўынгерлер, абырайлы ерлер ҳәм әўлад басшылары еди. 25Деген менен, олар ата-бабаларының Қудайына опасызлық етти. Қудайға қыянет етип, өзлериниң алдында қырып жиберилген сол еллердиң халықларының бутларына табынды. 26Сол себепли Израилдың Қудайы Ассирия патшасы Пулды, яғный Тилгат-Пилнесерди ҳәрекетке келтирди. Ассирия патшасы Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жеңип, оларды тутқынға алды. Оларды Халахқа, Хаборға, Ҳараға ҳәм Гозан дәрьясының бойына сүргин қылды. Олар бүгин де сол жерлерде жасап келмекте.

 

6

 

Лебийдиң урпағы

 

1Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
2Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
3Амрамның балалары: Харон, Муўса ҳәм Мәриям.
Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар, Итамар. 4Элазардан Пинехас, Пинехастан Абишуа, 5Абишуадан Буккий, Буккийден Уззий, 6Уззийден Зерахия, Зерахиядан Мерайот, 7Мерайоттан Амария, Амариядан Ахитуб, 8Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Ахимаас, 9Ахимаастан Азария, Азариядан Юханан, 10Юхананнан Азария туўылды. Азария патша Сулайманның Ерусалимде қурғызған Ибадатханасында руўханий болып хызмет етти.
11Азариядан Амария, Амариядан Ахитуб, 12Ахитубтан Садоқ, Садоқтан Шаллум, 13Шаллумнан Хилкия, Хилкиядан Азария, 14Азариядан Серая, Сераядан Йосадақ туўылды.
15Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын Набуходоносор арқалы сүргин қылғанда, Йосадақ та сүргин қылынған еди.

 

Лебийдиң басқа урпақлары

 

16Лебийдиң уллары: Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарий.
17Гершомның улларының атлары: Либний ҳәм Шимей.
18Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел.
19Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший.
Түп бабасы бойынша дизимге алынған Лебий урыўының тийрелери мыналар:
20Гершомның урпағы: Гершомнан Либний, Либнийден Яхат, Яхаттан Зимма, 21Зиммадан Йоах, Йоахтан Иддо, Иддодан Зерах, Зерахтан Еатрай туўылды.
22Қоҳаттың урпағы: Қоҳаттан Амминадаб, Амминадабтан Қорах, Қорахтан Ассир, 23Ассирден Элқана, Элқанадан Эбясаф, Эбясафтан Ассир, 24Ассирден Тахат, Тахаттан Уриел, Уриелден Уззия, Уззиядан Шаул туўылды.
25Элқананың басқа уллары: Амасай ҳәм Ахимот. 26Ахимоттан Элқана, Элқанадан Софай, Софайдан Нахат, 27Нахаттан Элиаб, Элиабтан Ерохам, Ерохамнан Элқана туўылды.
28Самуелдиң уллары: туңғыш улы Йоел, екиншиси Абия.
29Мерарийдиң урпағы: Мерарийден Махлий, Махлийден Либний, Либнийден Шимей, Шимейден Узза, 30Уззадан Шимеа, Шимеадан Хаггия, Хаггиядан Асая туўылды.

 

Ушырасыў шатырындағы сазенделер

 

31Келисим сандығы Жаратқан Ийениң үйине апарылғаннан соң, сол жерде хызмет етиў ушын Даўыт тайынлаған сазенделердиң атлары төменде берилген. 32Сулайман Ерусалимде Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурғанға дейин, олар Ушырасыў шатырында қосық айтып, хызмет етти. Олар өз хызметин берилген көрсетпелер бойынша орынлайтуғын еди.
33Сол жерде уллары менен бирге сол хызметти атқарып атырғанлар мыналар:
Қоҳаттың урпағынан: қосықшы Ҳеман. Ҳеман Йоелдиң, Йоел Самуелдиң, 34Самуел Элқананың, Элқана Ерохамның, Ерохам Элиелдиң, Элиел Тоахтың, 35Тоах Суфтың, Суф Элқананың, Элқана Махаттың, Махат Амасайдың, 36Амасай Элқананың, Элқана Йоелдиң, Йоел Азарияның, Азария Сефанияның, 37Сефания Тахаттың, Тахат Ассирдиң, Ассир Эбясафтың, Эбясаф Қорахтың, 38Қорах Исҳардың, Исҳар Қоҳаттың, Қоҳат Лебийдиң, Лебий Израилдың улы еди.
39Ҳеманның оң жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси, туўысқаны Асаф болды. Асаф Берехияның улы болып, Берехия Шимеаның, 40Шимеа Михаелдиң, Михаел Баасияның, Баасия Малкияның, 41Малкия Этнийдиң, Этний Зерахтың, Зерах Адаяның, 42Адая Этанның, Этан Зимманың, Зимма Шимейдиң, 43Шимей Яхаттың, Яхат Гершомның, Гершом Лебийдиң улы еди. 44Ҳеманның шеп жағында хызмет ететуғын жәрдемшиси туўысқаны Мерарий урпағынан Этан болды. Этан Кишийдиң улы болып, Киший Абдийдиң, Абдий Маллухтың, 45Маллух Хашабияның, Хашабия Амасияның, Амасия Хилкияның, 46Хилкия Амсийдиң, Амсий Банийдиң, Баний Шемердиң, 47Шемер Махлийдиң, Махлий Мушийдиң, Муший Мерарийдиң, Мерарий Лебийдиң улы еди. 48Олардың лебийли туўысқанлары Мухаддес шатырдағы, Қудайдың Үйиндеги басқа барлық хызметлерди орынлаў ушын тайынланды. 49Бирақ тек Харон ҳәм оның урпақлары ғана қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлықларды берип, түтетки түтетилетуғын орында түтеткилерди түтететуғын ҳәм Ең мухаддес бөлмеде исленетуғын барлық хызметлерди атқаратуғын еди. Олар Қудайдың қулы Муўса берген барлық буйрықлар бойынша, Израил халқын гүнадан пәклейтуғын еди.

 

Харонның урпағы

 

50Харонның урпақлары мыналар: Харонның улы Элазар, Элазардың улы Пинехас, Пинехастың улы Абишуа, 51Абишуаның улы Буккий, Буккийдиң улы Уззий, Уззийдиң улы Зерахия, 52Зерахияның улы Мерайот, Мерайоттың улы Амария, Амарияның улы Ахитуб, 53Ахитубтың улы Садоқ, Садоқтың улы Ахимаас.

 

Лебийлилер жасаған қалалар

 

54Лебийлилердиң жасаўы ушын ажыратылған жерлер мыналар: Қоҳат тийресинен шыққан Харонның урпақларына биринши шек түскенликтен, 55оларға Яҳудадағы Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди. 56Ал қала дөгерегиндеги атыз ҳәм аўыллар Ефунне улы Калебке берилди.
57Солай етип, Харонның урпақларына паналайтуғын қалалар: Хеброн, Либна, Яттир, Эштемоа, 58Хилез, Дебир, 59Ашан, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. 60Бенямин урыўынан да оларға Геба, Алемет, Анатот қалалары жайлаўлары менен қоса берилди. Қоҳат тийресине берилген бул қалалар барлығы болып он үш еди.
61Қоҳат тийресиниң қалғанларына Менашше урыўының ярымынан алынған он қала шек таслаў арқалы берилди.
62Гершом урпағына тийре санына қарай, Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларынан ҳәм Башандағы Менашше урыўынан алынған он үш қала шек бойынша берилди.
63Мерарий урпағына тийре санына қарай, Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала шек бойынша берилди.
64Израиллылар бул қалаларды жайлаўлары менен қоса лебийлилерге берди. 65Яҳуда, Шимон, Бенямин урыўларынан алынған ҳәм жоқарыда атлары аталған қалалар шек таслаў арқалы берилди.
66Қоҳат тийресинен болған базы шаңарақларға Эфрайым урыўына тийисли жерлерден қалалар берилди. 67Оларға Эфрайымның таўлы үлкесиндеги паналайтуғын қала Шехем, Гезер, 68Йоқмеам, Бейт-Хорон, 69Айялон ҳәм Гат-Риммон қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
70Қоҳат тийресиниң қалған шаңарақларына Менашше урыўының ярымынан алынған Анер ҳәм Билеам қалалары жайлаўлары менен қоса берилди.
71Гершом урпағына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди: Менашше урыўының ярымына тийисли жерлерден: Башандағы Голан ҳәм Аштарот.
72Иссахар урыўынан: Кедеш, Даберат, 73Рамот, Анем.
74Ашер урыўынан: Машал, Абдон, 75Хуқоқ ҳәм Рехоб.
76Нафталий урыўынан: Галиладағы Кедеш, Хаммон, Кирятайым.
77Мерарий урпақларының қалғанларына мына қалалар жайлаўлары менен қоса берилди:
Зебулон урыўынан: Риммоно ҳәм Табор.
78Рубен урыўынан: Ерихоның қарсы алдында, Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде жайласқан шөлдеги Бесер, сондай-ақ, Яҳаса, 79Кедемот ҳәм Мефаат.
80Гад урыўынан: Гиладтағы Рамот, Маханайым, 81Хешбон ҳәм Язер.

 

7

 

Иссахардың урпағы

 

1Иссахардың Тола, Пуа, Яшуб ҳәм Шимрон деген төрт улы бар еди.
2Толаның уллары: Уззий, Рефая, Ериел, Яхмай, Ибсам ҳәм Самуел. Олар өз әўладларының басшылары еди. Даўыт патшалық еткен дәўирде, Тола урпақларының шежиресинде олардан жигирма еки мың алты жүз мәрт жаўынгер есапқа алынған.
3Уззийдиң улы Израхия. Израхияның уллары: Михаел, Обадия, Йоел ҳәм Ишшия. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. 4Олардың ҳаяллары да, балалары да көп болғанлықтан, әўладының шежиреси бойынша оларда урысқа жарамлы отыз алты мың адам бар еди. 5Урыў шежиреси бойынша, Иссахар урыўының тийрелеринен сексен жети мың мәрт жаўынгер есапқа алынған.

 

Беняминниң урпағы

 

6Беняминниң үш улы бар еди: Бела, Бехер ҳәм Едиаел.
7Беланың бес улы бар еди: Эсбон, Уззий, Уззиел, Еримот ҳәм Ирий. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. Олардың шежиресинде жигирма еки мың отыз төрт мәрт жаўынгер дизимге алынған еди.
8Бехердиң уллары: Земира, Йоаш, Элиезер, Элйоенай, Омрий, Еремот, Абия, Анатот ҳәм Алемет. Булардың ҳәммеси Бехердиң уллары еди. 9Олардың шежиресинде әўлад басшылары ҳәм жигирма мың еки жүз мәрт жаўынгер дизимге алынған.
10Едиаелдиң улы: Билҳан. Билҳанның уллары: Еуш, Бенямин, Эҳуд, Кенаана, Зетан, Таршиш ҳәм Ахишахар. 11Едиаелдиң барлық уллары әўлад басшылары еди. Оларда урысқа жарамлы он жети мың еки жүз мәрт жаўынгер бар еди. 12Шуппим ҳәм Хуппим Ирдиң, Хушим болса, Ахердиң урпақлары еди.

 

Нафталий урыўы

 

13Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шаллум. Олар Яқыптың ҳаялы Билҳадан тараған урпақлар еди.

 

Менашше урыўы

 

14Менашшеның уллары: арамлы тоқалынан туўылған уллары Асриел ҳәм Махир. Махир Гиладтың әкеси еди. 15Махир Хуппим менен Шуппимниң қарындасы Мааханы ҳаяллыққа алды. Менашшениң басқа урпағының аты Селофехад болып, оның тек ғана қызлары болды.
16Махирдиң ҳаялы Мааха ул туўып, атын Переш деп қойды. Оның инисиниң аты Шереш еди. Шерештиң Улам ҳәм Рекем атлы еки улы болды.
17Уламның улы Бедан.
Менашшеның ақлығы Махирдиң улы Гиладтың әўлады усылардан ибарат еди.
18Махирдиң қарындасы Ҳаммолехет Ишҳодты, Абиезерди ҳәм Махланы туўды.
19Шемиданың уллары: Ахиян, Шехем, Ликхий ҳәм Аниам.

 

Эфрайымның урпағы

 

20Эфрайымның Шутелах деген улы бар еди. Шутелахтан Беред, Бередтен Тахат, Тахаттан Элада, Элададан Тахат, 21Тахаттан Забад, Забадтан Шутелах туўылды. Эфрайымның Шутелахтан басқа Эзер ҳәм Элад деген уллары да болды. Эзер менен Элад Гат қаласының тийкарғы турғынларына қараслы малларды урлап алып кетпекши болғанда, гатлылар оларды өлтирди. 22Олардың әкеси Эфрайым узақ ўақыт аза тутты. Сонда туўысқанлары оны жубатыўға келди. 23Эфрайым және ҳаялы менен жатты ҳәм ҳаялы жүкли болып, бир ул туўды. Үйинде бахытсызлық жүз бергени ушын, әкеси баланың атын Бериа деп қойды. 24Оның Шеера деген қызы да бар еди. Шеера төменги ҳәм жоқарғы Бейт-Хорон ҳәм Уззен-Шеера қалаларының тийкарын салды.
25Эфрайымның Рефах атлы басқа бир улы да бар еди. Рефахтан Решеф, Решефтен Телах, Телахтан Тахан, 26Таханнан Лаадан, Лааданнан Аммиҳуд, Аммиҳудтан Элишама, 27Элишамадан Нун, Нуннан Ешуа туўылды.
28Эфрайымлылардың жайласқан жерлери Бейт-Элди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, шығыстағы Нааранды, батыстағы Гезерди ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды, Шехемди, Айяны ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды өз ишине алды. 29Менашше урыўының жерлерине шегаралас Бейт-Шеан, Таанах, Мегиддо ҳәм Дор қалалары, және оларға тийисли аўыллар бар еди. Израил улы Юсуптиң урпағы усы жерлерде жасады.

 

Ашердиң урпағы

 

30Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қыз туўысқаны Серах. 31Берианың уллары: Хебер ҳәм Бирзаиттың тийкарын салған Малкиел.
32Хебердиң Яфлет, Шомер, Хотам атлы уллары ҳәм Шуўа атлы бир қызы бар еди.
33Яфлеттиң уллары: Пасах, Бимҳал ҳәм Ашўат. Яфлеттиң уллары усылар еди.
34Шемердиң уллары: Ахий, Роҳага, Хубба ҳәм Арам.
35Оның туўысқаны Ҳелемниң уллары: Софах, Имна, Шелеш ҳәм Амал.
36Софахтың уллары: Суах, Харнефер, Шуўал, Берий, Имра, 37Бесер, Ҳод, Шамма, Шилша, Итран ҳәм Беера.
38Етердиң уллары: Ефунне, Писпа ҳәм Ара.
39Улланың уллары: Арах, Ханниел ҳәм Рисия.
40Булардың ҳәммеси Ашерден тараған урпақлар болып, олар әўлад басшылары, таңланған мәрт жаўынгерлер, абырайлы басшылар еди. Ашер урыўының шежиреси бойынша, урысқа жарамлы жигирма алты мың адам есапқа алынған еди.

 

8

 

Беняминниң урпағы

 

1Беняминниң туңғыш улы Бела, екинши улы Ашбел, үшинши улы Ахрах, 2төртинши улы Ноха, бесинши улы Рафа еди.
3Беланың уллары: Аддар, Гера, Абиҳуд, 4Абишуа, Нааман, Ахоах, 5Гера, Шефуфан ҳәм Хурам.
6Гебада жасап, кейин Манахатқа сүргин етилген әўладлардың басшылары болған Эхудтың уллары: 7Нааман, Ахия ҳәм буларды баслап алып барған Гера. Гера Узза менен Ахихудтың әкеси еди.
8Шахарайым еки ҳаялы Хушим менен Баарадан ажырасқаннан кейин, Моаб үлкесинде уллар көрди. 9Ол кейинги алған ҳаялы Ходештен Йобаб, Сибия, Меша, Малкам, 10Еус, Сахия ҳәм Мирма атлы улларды көрди. Шахарайымның усы улларының ҳәммеси әўлад басшылары еди. 11Шахарайымның Хушим деген ҳаялынан да Абитуб ҳәм Элпаал атлы еки улы бар еди.
12Элпаалдың уллары: Эбер, Мишам, сондай-ақ, Оно ҳәм Лод қалалары менен оның әтирапындағы аўылларды қурған Шемед, 13және Бериа ҳәм Шема. Бериа менен Шема Айялонда жасайтуғын халықтың әўлад басшылары еди. Олар Гат турғынларын сол қаладан қуўып жиберген еди.
14Ахйо, Шашақ, Еремот, 15Зебадия, Арад, Эдер, 16Михаел, Ишпа ҳәм Йоха – булар Берианың уллары еди.
17Зебадия, Мешуллам, Хизкий, Хебер, 18Ишмерай, Излиа ҳәм Йобаб – булар Элпаалдың уллары еди.
19Яким, Зихрий, Забдий, 20Элиенай, Силлетай, Элиел, 21Адая, Берая ҳәм Шимрат – булар Шимейдиң уллары еди.
22Ишпан, Эбер, Элиел, 23Абдон, Зихрий, Ханан, 24Ханания, Элам, Антотия, 25Ифдея ҳәм Пенуел – булар Шашақтың уллары еди.
26Шамшерай, Шехария, Аталия, 27Ярешия, Илияс ҳәм Зихрий – булар Ерохамның уллары еди.
28Булардың ҳәммесиниң әўлад басшылары ҳәм көсемлер болғанлығы шежиреде жазылған. Олар Ерусалимде жасады.

 

Патша Шаулдың урпағы

 

29Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди. 30Еиелдиң туңғыш улы Абдон, кейинги уллары: Сур, Киш, Баал, Надаб, 31Гедор, Ахйо, Зехер 32ҳәм Шимеаның әкеси Миклот. Булар Ерусалимде, өз туўысқанларының жанында жасады.
33Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Йонатанның, Малкий-Шуаның, Абинадабтың ҳәм Эшбаалдың әкеси еди.
34Йонатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди.
35Миханың уллары: Питон, Мелех, Тареа ҳәм Ахаз.
36Ахаздан Еҳоадда туўылды. Еҳоаддадан Алемет, Азмаўет, Зимрий туўылды. Зимрийден Моса, 37Мосадан Бинеа, Бинеадан Рефа, Рефадан Эласа, Эласадан Асел туўылды.
38Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди.
39Аселдиң иниси Эшектиң уллары: туңғыш улы Улам, екиншиси Еуш, үшиншиси Элифелет.
40Уламның уллары оқ жай атыўға шебер, мәрт жаўынгерлер болды. Уламның уллары ҳәм ақлықлары көп болып, олар барлығы болып бир жүз елиў еди. Булардың ҳәммеси Беняминниң урпақлары еди.

 

9

 

1Солай етип, пүткил Израил халқы «Израил патшаларының китабында» жазылған шежиреге киргизилген еди.

 

Сүргиннен Ерусалимге қайтқан халық

 

Яҳуда халқы Жаратқан Ийеге қыянет ислегени ушын, Бабилонға сүргин етилген еди. 2Өз қалаларындағы өз ийеликлерине израиллылар руўханийлер, лебийлилер ҳәм Ибадатхана хызметшилери менен бирге биринши болып қайтып келип, қоныс басты.
3Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше урыўынан болған мына адамлар Ерусалимде жасады:
4Яҳуданың улы Перестиң урпағынан: Банийдиң қуўлығы Имрийдиң шаўлығы Омрийдиң ақлығы Аммиҳудтың улы Утай.
5Шилоның урпағынан: туңғыш улы Асая ҳәм оның уллары.
6Зерахтың урпағынан: Еуел ҳәм оның туўысқанлары.
Яҳуда урыўынан ҳәммеси болып алты жүз тоқсан адам еди.
7Бенямин урыўынан: Ҳассенуаның шаўлығы Ҳодаўияның ақлығы Мешулламның улы Саллу, 8Ерохамның улы Ибнея, Михрийдиң ақлығы Уззийдиң улы Эла ҳәм Ибнияның шаўлығы Реуелдиң ақлығы Шефатияның улы Мешуллам.
9Шежиресинде жазылғаны бойынша Бенямин урыўынан тоғыз жүз елиў алты адам еди. Булардың ҳәммеси әўлад басшылары еди.
10Руўханийлер:
Едая, Еҳояриб, Яхин 11ҳәм Азария. Азария Хилкияның улы Мешулламның ақлығы Садоқтың шаўлығы Мерайоттың қуўлығы Ахитубтың жаўлығы еди. Ахитуб Қудайдың Үйиниң бас хызметкери еди. 12Малкияның шаўлығы Пашхурдың ақлығы Ерохамның улы Адая ҳәм Иммердиң жаўлығы Мешиллемиттиң қуўлығы Мешулламның шаўлығы Яхзераның ақлығы Адиелдиң улы Маасай. 13Әўлад басшылары болған Ибадатхана хызметшилери барлығы бир мың жети жүз алпыс адам еди. Олар Қудайдың Үйиндеги ислерди шеберлик пенен атқаратуғын еди.
14Лебийлилер:
Мерарий урпағынан: Хашабияның шаўлығы Азриқамның ақлығы Хашшубтың улы Шемая, 15Бақбаққар, Хереш, Галал ҳәм Маттания. Маттания Асафтың шаўлығы Зихрийдиң ақлығы Миханың улы еди. 16Едутунның шаўлығы Галалдың ақлығы Шемаяның улы Обадия ҳәм нетофалылардың аўылларында жасап атырған Элқананың ақлығы Асаның улы Берехия.
17Ибадатханадағы дәрўаза қараўыллары:
Шаллум, Аққуб, Талмон, Ахиман. Олардың туўысқаны Шаллум олардың басшысы еди. 18Олар бүгинге дейин, шығыс тәрептеги Патша дәрўазасында хызмет етип келеди. Лебийлилердиң ордасынан болған дәрўаза қараўыллары да усылар еди. 19Қорахтың шаўлығы Эбясафтың ақлығы Қорениң улы Шаллум ҳәм оның Қорах әўладынан болған туўысқанлары Ибадатхананың кирер аўзын қараўыллады. Олардың ата-бабалары да Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының кирер аўзын қараўыллаған еди. 20Алдынғы ўақытлары Элазар улы Пинехас дәрўаза қараўылларын басқарған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. 21Мешелемия улы Зехария Ушырасыў шатырының дәрўазасының қараўылы еди.
22Таңлап алынған дәрўаза қараўыллары барлығы болып еки жүз он еки адам еди. Олар аўыллары бойынша шежиреге киргизилди. Оларды бул жуўапкершиликли ўазыйпаға Даўыт ҳәм көзи ашық Самуел тайынлаған еди. 23Олар ҳәм олардың урпақлары Жаратқан Ийениң Ибадатханасының, яғный Шатырының дәрўазасында сақшылық қылатуғын еди. 24Олар төрт тәрептеги: шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладағы дәрўазаларды қараўыллады. 25Олардың аўылларда жасайтуғын туўысқанлары ўақты-ўақты келип, жети күнлик хызметти олар менен бөлисип ислеўге миннетли болды. 26Бас дәрўаза қараўылларының төртеўи де лебийли болып, оларға Қудайдың Ибадатханасындағы бөлмелер ҳәм ғәзийнеханалар исенип тапсырылған еди. 27Оларға Қудайдың Ибадатханасын қараўыллаў ҳәм ҳәр таңда қапыларды ашыў ўазыйпасы жүкленгенликтен, олар түнди Қудайдың Үйи әтирапында өткеретуғын еди.
28Лебийлилердиң базылары Ибадатхана хызметинде қолланылатуғын затларға жуўапкер болды. Олар затларды хызмет ушын бергенде де, қайтарып алғанда да санайтуғын еди. 29Олардың басқалары Ибадатханадағы буйымларға ҳәм басқа барлық затларға, сондай-ақ сапалы унға, шарапқа, зәйтүн майына, ливан шайырына ҳәм хош ийисли затларға жуўапкер еди. 30Ал руўханийлердиң базылары хош ийисли затларды араластырып таярлаў хызметин атқарды. 31Қорахтың урпағынан Шаллумның туңғыш улы, лебийли Маттития садақа етип усынылатуғын нанларды таярлаў хызметине қойылған еди. 32Оның Қоҳат урпағынан болған базы туўысқанларына болса, ҳәр Шаббат күни мухаддес нанларды таярлап, усыныў хызмети жүкленди.
33Лебийлилердиң әўлад басшылары болған сазенде ҳәм қосықшылар Ибадатхана бөлмелеринде жасады. Олар күни-түни хызметте болғанлықтан, хызметтиң басқа түрлеринен азат болды.
34Булардың ҳәммеси урпақ шежиреси бойынша лебийлилердиң әўлад басшылары еди ҳәм олар Ерусалимде жасайтуғын еди.

 

Патша Шаулдың шежиреси

 

35Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди. 36Еиелдиң туңғыш улы Абдон болып, басқа уллары мыналар еди: Сур, Киш, Баал, Нер, Надаб, 37Гедор, Ахйо, Зехария ҳәм Миклот. 38Миклот Шимеамның әкеси еди. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады.
39Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Йонатан, Малкий-Шуа, Абинадаб ҳәм Эшбаалдың әкеси еди. 40Йонатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди.
41Миханың уллары: Питон, Мелех, Тахреа[7].
42Ахаз Яраның, Яра Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның, 43Моса Бинеаның, Бинеа Рефаяның, Рефая Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди.
44Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары мынадай: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булардың барлығы Аселдиң уллары еди.

 

10

 

Шаул ҳәм оның улларының өлими

 

1Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды. 2Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Йонатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди. 3Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды. 4Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды», – деди.
Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады. 5Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.
6Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.
7Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.
8Келеси күни филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты. 9Олар Шаулдың кийимлерин шешип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды бутханаларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди. 10Олар Шаулдың қурал-жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.
11Гиладтағы пүткил Ябеш халқы филистлердиң Шаулға ислеген ҳәмме ислери ҳаққында еситкенде, 12олардың барлық мәрт жаўынгерлери барып, Шаул менен оның улларының денесин Ябешке алып келди. Кейин олардың сүйеклерин Ябештеги емен ағашының астына көмип, жети күн ораза тутып, азалады.
13Шаул Жаратқан Ийеге қыянет еткени ушын өлген еди. Ол Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбай, ҳәтте, әрўақ шақырыўшыға да мәсләҳәт салды. 14Ал Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сол себепли Жаратқан Ийе Шаулды өлтирип, оның патшалығын Ишай улы Даўытқа берди.

 

11

 

Даўыттың пүткил Израилға патша болыўы

 

1Пүткил израиллылар Хебронға, Даўыттың жанына жыйналып былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз. 2Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Жаратқан Ийениң Самуел арқалы берген ўәдеси бойынша, Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4Патша Даўыт пенен израиллылар Ерусалимге жүрис қылды. Сол ўақытлары бул қала Ебус деп аталып, ол жерде ебуслылар жасайтуғын еди. 5Ебус халқы Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң», – деген еди. Деген менен, Даўыт Сийон қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
6Даўыт: «Ебуслыларға биринши болып ҳүжим жасап, жеңген адам сәркәрда ҳәм басшы болады», – деп ўәде берген еди. Серуя улы Йоаб биринши болып ҳүжим жасап, жеңип шықты ҳәм сәркәрда болды.
7Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды. Сол себепли ол жерге «Даўыттың қаласы» деген ат берилди. 8Даўыт Миллодан баслап қаланың айнала дийўалларын қайта тикледи. Ал Йоаб қаланың қалған бөлеклерин қайта қурды. 9Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Жаратқан Ийеси оның менен бирге еди.

 

Даўыттың батыр әскерлери

 

10Жаратқан Ийениң Израилға ўәде еткениндей, Даўыттың батыр әскерлериниң әскербасылары пүткил Израил халқы менен бирге Даўытты патша қылды ҳәм оның патшалығының күшли болыўын қоллап-қуўатлады. 11Даўыттың батыр әскерлериниң дизими мынаў: үш батырдың[8] сәрдары Хахмон улы Яшобам[9]. Ол үш жүз адамға найза менен қарсы шығып, бир ҳүжим еткенде, ҳәммесин өлтирди.
12Оннан кейингиси үш батырдың бири ахохлы Додоның улы Элазар. 13Филистлер урысыў ушын Пас-Даммимде жыйналғанда, Элазар Даўыттың қасында болды. Ол жерде бир арпа атызы бар еди. Сонда израиллылар филистлерден қаша баслады. 14Бирақ Элазар менен Даўыт атыздың ортасында турып, ол жерди қорғады ҳәм филистлерди қырып таслады. Жаратқан Ийе оларға уллы жеңис сыйлады.
15Бир күни филист әскерлери Рефаим ойпатлығына орда қурған ўақытта, отыз басшыдан үшеўи Адуллам үңгириндеги жартасты паналап турған Даўытқа келди. 16Сол ўақытта Даўыт қорған ишинде еди, ал филистлердиң сақшылар топарының биреўи Бейтлеҳемде еди. 17Даўыт қатты шөллеп: «Қәнекей, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан биреў маған суў әкелип берсе еди!» – деди. 18Сонда бул үш батыр филистлердиң ордасын жарып өтип, Бейтлеҳем дәрўазасының жанындағы суў сақлағыштан суў алып, Даўытқа әкелип берди. Бирақ Даўыт оны ишиўден бас тартты ҳәм суўды жерге төгип, Жаратқан Ийеге усынды. 19Ол: «О, Қудайым, буны ислеўден мени сақлай гөр! Жанларын қәўип астына қойып, суў алып келген бул үш адамның қанын ишейин бе?» – деди.
Сөйтип, Даўыт суўды ишпеди.
Бул үш батыр усындай ерлик көрсеткен еди.
20Йоабтың иниси Абишай үш батырдың[10] басшысы еди. Ол найзасы менен үш жүз адамды өлтирди. Сол тәризде ол үш батыр сыяқлы даңққа еристи. 21Оның үш батырдан[11] да даңқы артып, олардың басшысы болғаны менен, үш батыр қатарына кирмейтуғын еди.
22Еҳояда улы қабсеелли Беная да мәрт жаўынгер болып, ол да уллы ислер иследи. Ол моаблы еки күшли жаўынгерди, ал қар жаўған күни бир шуқырға түсип, арысланды өлтирди. 23Және де, ол бойы бес шығанақ болған мысырлыны да өлтирди. Мысырлының қолында тоқыў үскенесиниң қадасындай жуўан найзасы бар еди. Беная таяқ пенен оның алдына шықты ҳәм мысырлының найзасын қолынан тартып алып, оны өз найзасы менен өлтирди. 24Еҳояда улы Бенаяның ислеген ислери мине усылар. Ол да сол үш батыр сыяқлы даңқ таратты. 25Ол отыз батырға қарағанда атақлырақ болса да, бирақ сол үш батырдың қатарына кирмеди. Даўыт оны өзиниң тән сақшыларына басшы етип қойды.
26Басқа батыр әскерлер мыналар:

 

Йоабтың иниси Асаҳел,
бейтлеҳемли Додоның улы Элханан,
27ҳарорлы Шаммот, пелонлы Хелес,
28теқоалы Иккештиң улы Ира, анатотлы Абиезер,
29хушалы Сиббехай, ахохлы Илай,
30нетофалы Маҳарай ҳәм нетофалы Баананың улы Хелед,
31Бенямин урыўынан гибалы Рибайдың улы Иттай, пиратонлы Беная,
32Гааш сайлары аймағынан Хурай, арбалы Абиел,
33бахарумлы Азмаўет, шаалбонлы Эляхба,
34гизонлы Ҳашемниң уллары, ҳарарлы Шагениң улы Йонатан,
35ҳарарлы Сакардың улы Ахиам, Урдың улы Элифал,
36мехералы Хефер, пелонлы Ахия,
37кармелли Хесрай, Эзбай улы Наарай,
38Натанның иниси Йоел, Ажар улы Мибхар,
39аммон халқынан Селек, Серуя улы Йоабтың нөкери бееротлы Нахарай,
40Итер тийресинен Ира ҳәм Итер тийресинен Гареб,
41хетт халқынан Урия, Ахлай улы Забад,
42рубенлилердиң қәўим басшысы, рубенли Шизаның улы Адина ҳәм оның отыз әскери,
43Мааха улы Ханан, митанлы Йошафат,
44аштеротлы Уззия, ароерли Хотамның уллары Шама ҳәм Еиел,
45Шимрий улы Едиаел ҳәм оның иниси тизли Йоха,
46махаўлы Элиел, Элнаамның уллары Ерибай ҳәм Йошаўия, моаблы Итма,
47Элиел, Обид, месобалы Ясиел.

 

12

 

Даўыттың Сиклагтағы жәрдемшилери

 

1Даўыт Киш улы Шаулдан қашып, Сиклагта жасап жүрген ўақытлары, айырым әскерлер келип, оған қосылды. Урысларда Даўытқа жәрдем берген бул жаўынгерлер 2Бенямин урыўынан, Шаулдың ағайинлеринен еди. Бул садақшылар оқ жай менен қуралланған болып, оң қолы менен де, шеп қолы менен де оқ жай тартып, сақпанда тас ататуғын еди. 3Олардың басшысы гибалы Шеманың улы Ахиезер болып, иниси Йоаш оның жәрдемшиси еди. Басқа жаўынгерлер: Азмаўеттиң уллары Езиел ҳәм Пелет, сондай-ақ, Бераха ҳәм анатотлы Еҳу, 4отыз батырдың биреўи, яғный олардың басшысы гибонлы Ишмая, сондай-ақ, Еремия, Яхазиел, Юханан, гедералы Йозабад, 5Элузай, Еримот, Беалия, Шемария, харуфлы Шефатия, 6Қорахтың урпағынан болған Элқана, Ишшия, Азарел, Йоезер, Яшобам, 7гедорлы Ерохамның уллары Йоела ҳәм Зебадия.
8Даўыт шөлдеги қорғанда болғанда, гадлылардың биразы оған қосылды. Олар урысқа таяр мәрт жаўынгерлер болып, қалқан ҳәм найзаны ислете алатуғын еди. Олардың жүзлери арысландай айбатлы, өзлери таўлардағы кийик киби шаққан еди.
9Олардың басшысы Эзер еди. Екиншиси Обадия, үшиншиси Элиаб, 10төртиншиси Мишманна, бесиншиси Еремия, 11алтыншысы Аттай, жетиншиси Элиел, 12сегизиншиси Юханан, тоғызыншысы Элзабад, 13оныншысы Еремия, он бириншиси Махбаннай еди.
14Усы гадлылар орда әскербасылары еди. Олардың ең ҳәлсизлери жүз адамға, ең күшлилери мың адамға бас келетуғын еди. 15Биринши айда[12], Иордан толып тасып турған ўақытта, олар арғы жағаға кесип өтип, ойпатлықтың шығыс ҳәм батыс тәрепинде жасап атырғанлардың ҳәммесин бас саўғалап қашыўға мәжбүр етти.
16Бенямин ҳәм Яҳуда урыўларындағы базы адамлар да Даўыттың жанына, қорғанға келди. 17Даўыт оларды күтип алыўға шықты ҳәм оларға былай деди: «Егер маған жәрдем бериў ушын жақсы нийет пенен келген болсаңыз, қатарымызға қосылыўыңызға ыразыман. Ал егер ҳеш кимге зорлық ислемеген болсам да, мени душпанларыма услап бериўге келген болсаңыз, онда ата-бабаларымыздың Қудайы буны көрип, ҳүким етсин».
18Сонда кейинирек отыз батырдың сәрдары болған Амасайдың үстине Қудайдың Руўхы түсип, ол былай деди:

 

 

«О Даўыт, бизлер сизикимиз!
О Ишай улы, сиз бенен биргемиз!
Тынышлық ҳәм аманлық сизге яр болсын!
Сизге жәрдем берип атырғанларға да аманлық болсын!
Себеби сизди қоллап турған – Қудайыңыздың Өзи».

 

Даўыт оларды жақсы қабыл етти ҳәм өзиниң басқыншылар топарларына басшылар етип қойды.
19Даўыт филистлер менен бирге Шаулға қарсы урысыў ушын барғанда, Менашше урыўының базы адамлары Даўыттың тәрепине өткен еди. Деген менен, сол урыста Даўыт ҳәм оның адамлары филистлерге жәрдем бермеди. Өйткени филист ҳүкимдарлары кеңесип: «Даўыт мырзасы Шаул тәрепке өтип кетип, басымыздан айырылармыз», – деп, оны кейин қайтарған еди. 20Даўыт Сиклагқа қайтып кетип баратырғанда, Менашше урыўынан оның тәрепине өткенлер мыналар еди: Аднах, Йозабад, Едиаел, Михаел, Йозабад, Элиҳу ҳәм Силлетай. Булардың барлығы менашшелилердиң мыңбасылары еди. 21Олар мәрт жаўынгерлер болып, Даўыттың ордасында ләшкербасылық хызметин атқарды ҳәм қарақшылар топарына қарсы гүресиўде Даўытқа жәрдем берди. 22Даўытқа жәрдем бериў ушын ҳәр күни адамлар келип қосылатуғын еди. Нәтийжеде, Даўыт Қудайдың ләшкерлери сыяқлы үлкен ҳәм күшли ордаға ийе болды.

 

Даўыттың Хеброндағы ордасы

 

23Жаратқан Ийениң берген ўәдеси бойынша, Шаулдың патшалығын Даўытқа бериў ушын Хебронға, Даўыттың жанына келген ләшкерлер саны мынадай еди:
24Яҳуда урыўынан: урысқа таяр, қалқан ҳәм найза менен қуралланған алты мың сегиз жүз адам.
25Шимон урыўынан: урысқа таяр, жети мың бир жүз мәрт жаўынгер.
26Лебий урыўынан: төрт мың алты жүз адам.
27Харон нәсилиниң басшысы Еҳояда ҳәм оның менен бирге болғанлар үш мың жети жүз адам.
28Жас ҳәм мәрт жаўынгер Садоқ ҳәм оның тийресинен жигирма еки әскербасы.
29Шаулдың урыўласлары болған Бенямин урыўынан: үш мың адам. Беняминлилердиң көпшилиги сол ўақытқа дейин Шаулдың шаңарағына садық болып қалды.
30Эфрайым урыўынан: өз әўлады арасында атағы шыққан жигирма мың сегиз жүз мәрт жаўынгер.
31Даўытты патша етип қойыў ушын, Менашше урыўының ярымынан арнаўлы түрде шақырылғанлар он сегиз мың адам.
32Иссахар урыўынан: дәўир талабын түсинетуғын, Израилдың не ислеў кереклигин билетуғын еки жүз ләшкербасы ҳәм олардың қол астындағы адамлар.
33Зебулон урыўынан: елиў мың адам. Олар урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған болып, Даўытқа шын жүректен жәрдем бериў ушын келди.
34Нафталий урыўынан: мың әскербасы ҳәм олар менен бирге қалқан ҳәм найза менен қуралланған отыз жети мың адам.
35Дан урыўынан: урысқа таяр жигирма сегиз мың алты жүз адам.
36Ашер урыўынан: урысқа таяр, тәжирийбели қырқ мың әскер.
37Иордан дәрьясының шығысында жасайтуғын Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымынан: урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған бир жүз жигирма мың адам.
38Булардың ҳәммеси сап тартып, урысқа шығыўға таяр әскерлер еди. Олар қатты қәлеў менен, Даўытты пүткил Израил үстинен патша етип қойыў ушын Хебронға келди. Қалған израиллылар да Даўытты патша етиў нийетинде еди. 39Хебронға келгенлер Даўыттың жанында үш күн қалды ҳәм туўысқанлары таярлап берген азық-аўқатларды ишип-жеди. 40Сондай-ақ, Иссахар, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларының алыс аймақларынан да адамлар ешек, түйе, ғашыр ҳәм өгизлерге азық-аўқат тийеп келди. Олар мол етип ун, кептирип нығызланған әнжир менен кишмиш, шарап, зәйтүн майын, ири ҳәм майда малларды көп етип алып келди. Себеби Израилда шадлық ҳүким сүрген еди.

 

13

 

Келисим сандығының Кирят-Яримнен алып келиниўи

 

1Даўыт барлық басшылары, мыңбасылары ҳәм жүзбасылары менен мәсләҳәтлести. 2Соңынан ол пүткил Израил жәмийетине былай деди: «Егер бул сизлерге мақул болса ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийениң еркине сай болса, онда Израил жериниң ҳәр тәрепинде жасап атырған туўысқанларымызға ҳәм қалалары менен жайлаўлары әтирапында жасап атырған руўханийлер менен лебийлилерге хабаршылар жиберейик. Олар да келип, бизлерге қосылсын. 3Қудайымыздың сандығын өзлеримизге қайтарып алып келейик. Өйткени Шаулдың дәўиринде Қудайдың еркин билиўде оннан пайдаланбадық». 4Бул усыныс пүткил жәмийетке мақул түсти, себеби пүткил халық нәзеринде бул ис туўры еди.
5Солай етип, Даўыт Қудайдың Келисим сандығын Кирят-Яримнен алып келиў ушын, Мысырдағы Шихор дәрьясынан Лебо-Хаматқа дейинги жерлерде жасайтуғын барлық израиллыларды жыйнады. 6Кейин Даўыт ҳәм барлық израиллылар керублар арасында тахт қурған Жаратқан Ийениң аты менен аталған Қудайдың Келисим сандығын алып келиў ушын, Яҳудадағы Баала қаласына, яғный Кирят-Яримге кетти.
7Олар Қудайдың сандығын Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Арбаға жегилген өгизлерди Узза менен Ахйо жетеклеп жүрди. 8Ал Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Қудайдың алдында қосықлар айтып, лира, арфа, дәп, кимбал ҳәм кәрнай шертип, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.
9Олар Кидонның қырман жерине жеткенде, өгизлер сүрнигип кетти ҳәм қулап кетпеўи ушын Узза қолын созып, сандықты услады. 10Сонда Уззаға қарсы Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм сандыққа қолын созғаны ушын, оны өлтирди. Узза сол жерде, Қудайдың алдында жан тапсырды.
11Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол себепли сол жер ҳәзирге дейин Перес-Узза, яғный «Уззаның қыйратылыўы» деп аталады.
12Даўыт сол күни Қудайдан қорқып: «Қудайдың сандығын жаныма қалай алып келе аламан?» – деди. 13Сол күни Даўыт сандықты өзиниң жанына, Даўыттың қаласына алып бармай, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды. 14Қудайдың сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсени жарылқады.

 

14

 

Даўыттың шаңарағы

 

1Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге сарай қурылысы ушын кедр ағашларын, тас қалаўшыларды ҳәм ағаш усталарын жиберди. 2Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израил патшасы етип тастыйықлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын уллы даңққа еристиргенин түсинди.
3Даўыт Ерусалимде және бир неше ҳаяллар алды ҳәм олардан да ул-қызлар көрди. 4Даўыттың Ерусалимде туўылған перзентлериниң атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман, 5Ибхар, Элишуа, Элпелет, 6Ногаҳ, Нефег, Яфиа, 7Элишама, Белияда, Элифелет.

 

Филистлердиң жеңилиске ушыраўы

 

8Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт оларды қарсы алыўға шықты. 9Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына шабыўыл жасады. 10Даўыт Қудайдан:
– Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады.
Жаратқан Ийе:
– Аўа, жүрис қыл. Оларды саған тәслим етемен, – деди.
11Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Қудай душпанларымды мениң қолым менен қыйратып таслады», – деди. Сол себептен ол жерге Баал-Перасим аты берилди. 12Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыттың буйрығы бойынша, бутлар жағып жиберилди.
13Көп өтпей, филистлер қайтадан сол ойпатлыққа шабыўыл жасады. 14Даўыт және Қудайдан сорады ҳәм Қудай оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Оларды айланып өтип, арт жағынан, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл. 15Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, оларға ҳүжимге өт. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан». 16Даўыт Қудайдың буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гибоннан Гезерге дейин қыйратып барды.
17Солай етип, Даўыттың даңқы дөгеректеги еллердиң ҳәммесине жайылды. Жаратқан Ийе барлық халықларды оннан қорқатуғын қылды.

 

15

 

Келисим сандығының Ерусалимге алып келиниўи

 

1Даўыт өз аты менен аталған қалаға өзи ушын үйлер салдырды. Ол Қудайдың Келисим сандығы ушын да бир орын таярлап, шатыр қурды. 2Кейин Даўыт: «Қудайдың Келисим сандығын тек ғана лебийлилер көтерип жүреди. Өйткени Жаратқан Ийе сандықты алып жүриў ҳәм мәңгиге Өзине хызмет етиў ушын лебийлилерди таңлап алды», – деди.
3Даўыт Жаратқан Ийениң сандығын өзи таярлаған жерге алып келиў ушын, пүткил Израил халқын Ерусалимге жыйнады. 4Кейин төменде аты аталған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады:
5Қоҳат урпағынан: басшы Уриелди ҳәм оның бир жүз жигирма ағайинин;
6Мерарий урпағынан: басшы Асаяны ҳәм оның еки жүз жигирма ағайинин;
7Гершом урпағынан: басшы Йоелди ҳәм оның бир жүз отыз ағайинин;
8Элисафан урпағынан: басшы Шемаяны ҳәм оның еки жүз ағайинин;
9Хеброн урпағынан: басшы Элиелди ҳәм оның сексен ағайинин;
10Уззиел урпағынан: басшы Амминадабты ҳәм оның бир жүз он еки ағайинин.
11Соннан кейин, Даўыт руўханийлер Садоқ пенен Абиятарды, лебийлилер Уриел, Асая, Йоел, Шемая, Элиел ҳәм Амминадабты шақырып алып, 12оларға былай деди: «Сизлер лебийлилердиң тийре басшыларысыз. Сонлықтан лебийли туўысқанларыңыз бенен бирге тазаланыў рәсиминен өтиңлер. Кейин Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын мен таярлаған орынға алып келиңлер. 13Өткен сапар сандықты сизлер, лебийлилер көтерип жүрмегениңиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге ғәзебин шашқан еди. Сонда бизлер оны қағыйдаға сай, қалай алып жүриў кереклигин Қудайдан сорамаған едик».
14Солай етип, руўханийлер менен лебийлилер Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң сандығын алып келиў ушын, өзлерин тазаланыў рәсиминен өткерди. 15Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша, лебийлилер Қудайдың сандығының қадаларын ийинлерине қойып, көтерип жүрди.
16Даўыт лебийлилердиң басшыларына туўысқанлары арасынан арфа, лира ҳәм кимбал саз әсбаплары ҳаўазы астында қуўанышлы қосықлар айтатуғын қосықшыларды тайынлаўды тапсырды. 17Лебийлилер Йоел улы Ҳеманды, оның туўысқанларынан Берехия улы Асафты ҳәм Мерарий урпағынан Қушая улы Этанды тайынлады. 18Олардан кейинги екинши дәрежеге туўысқанларынан мыналар тайынланды: Зехария, Бен, Язиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Беная, Маасея, Маттития, Элифелеҳу, Микнея, сондай-ақ, дәрўаза қараўыллары Обед-Эдом ҳәм Еиел. 19Сазенделер Ҳеман, Асаф ҳәм Этанға қоладан исленген кимбалды даңғырлатыў, 20Зехария, Азиел, Шемирамот, Ехиел, Унний, Элиаб, Маасея ҳәм Бенаяға арфаны аламот усылында шертиў, 21ал Маттития, Элифелеҳу, Микнея, Обед-Эдом, Еиел ҳәм Азазияға Шеминит усылы бойынша лира шертип, сазда жетекшилик етиў тапсырылды. 22Лебийлилердиң басшысы Кенания қосықшыларға жуўапкер болды, себеби ол бул истиң маманы еди.
23Берехия менен Элқана Келисим сандығына қараўыл етип тайынланды. 24Шебания, Йошафат, Нетанел, Амасай, Зехария, Беная, Элиезер атлы руўханийлер Қудайдың Келисим сандығының алдында кәрнай шертип туратуғын болды. Обед-Эдом менен Ехия да Келисим сандығын қараўыллап туратуғын болды.
25Солай етип, Даўыт, Израил ақсақаллары ҳәм мыңбасылар Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Обед-Эдомның үйинен алып келиў ушын қуўанышлы түрде жолға шықты. 26Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған лебийлилерге Қудайдың Өзи яр болғанлықтан, жети буға менен жети қошқар қурбанлыққа шалынды. 27Даўыт ҳәм сандықты көтерип алып киятырған лебийлилер, қосықшылар ҳәм қосықшылардың басшысы Кенания ҳасыл зығырдан тигилген кийим кийген еди. Буның сыртынан Даўыт зығыр эфод та кийип алған еди. 28Усылайынша, пүткил Израил халқы кәрнай, сырнай, кимбал, лира ҳәм арфа намасы астында қуўанышлы түрде бақырысып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын алып киятырған еди. 29Жаратқан Ийениң Келисим сандығы Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол патша Даўыттың секирип ойнап киятырғанын көрип, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.

 

16

 

1Қудайдың Келисим сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишине қойылды. Соңынан лебийлилер Қудайға жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. 2Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийениң аты менен халыққа пәтия берди. 3Кейин ол пүткил израиллыларға – ҳәр бир еркек ҳәм ҳәр бир ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты.
4Даўыт лебийлилердиң айырымларын Жаратқан Ийениң сандығы алдында хызмет етип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарыныў ҳәм Оған миннетдаршылық билдирип, алғыс-мақтаў айтыў ушын тайынлады. 5Олардың басшысы Асаф, оның жәрдемшиси Зехария, кейингилери Еиел, Шемирамот, Ехиел, Маттития, Элиаб, Беная, Обед-Эдом ҳәм Еиел еди. Олар арфа ҳәм лира шертиўи, Асаф болса бәлент даўыслы кимбал, 6ал руўханий Беная менен Яхазиел Қудайдың Келисим сандығының алдында ҳәр күни белгиленген ўақытта кәрнай шертиўи тийис болды.

 

Даўыттың миннетдаршылық жыры

 

7Сол күни Даўыт биринши рет Асафқа ҳәм оның туўысқанларына Жаратқан Ийеге арнап, мына алғыслаў жырын айтыўды тапсырды:

 

 

8«Жаратқан Ийени алғыслаң,
Оның атын айтып, шақырың,
Халықлар арасында жәриялаң Оның ислерин!
9Оны жырлап, алғыс-мақтаў қосықларын айтың,
Баян етиң барлық кәраматларын!
10Оның мухаддес аты менен мақтаның,
Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11Жаратқан Ийени ҳәм Оның күшин излең,
Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12Ол ислеген кәраматларды,
Әжайып ислери менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин умытпаң!
13Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары,
Ол таңлап алған Яқыптың уллары!
14Ол – бизлердиң Қудайымыз, Жаратқан Ийе!
Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15Ол Өз келисимин мәңгиге есте сақлар,
Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин ҳасла умытпас,
16Ибрайым менен дүзген келисимин де,
Ысаққа берген антын да ҳасла умытпас!
17Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады,
Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18„Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип,
Кенаан жерин саған беремен“, – деди.
19Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди,
Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20Олар бир халықтан екиншисине,
Бир патшалықтан екиншисине көшип-қонып жүрген еди.
21Бирақ Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады,
Ҳәтте, олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22„Мениң майлағанларыма тиймеңлер,
Пайғамбарларыма жаманлық қылмаңлар!“ – деди.
23Ҳәй, пүткил дүнья, алғыслар айтың Жаратқан Ийеге!
Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
24Жәриялаң салтанатын миллетлерге,
Кәраматларын пүткил халықларға!
25Өйткени Жаратқан Ийе уллы, Ол мақтаўға ең ылайықлы,
Барлық қудайлардан айбатлысы ҳәм қорқынышлысы Ол.
26Халықлардың барлық қудайлары жалған,
Ал Жаратқан Ийе аспанды жаратқан.
27Даңқ ҳәм уллылық Оның алдында,
Қүдирет ҳәм қуўаныш Оның мәканында.
28Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң,
Жаратқан Ийениң уллылығын, күшин мақтаң!
29Жаратқан Ийениң уллылығын атына ылайықлы түрде мақтаң,
Қурбанлықлар алып, Оның алдына кириң!
Мухаддес салтанатына бөленип, Жаратқан Ийеге сыйының!
30Ҳәй, пүткил жер, Оның алдында қалтыраң!
Дүнья беккем орнатылған, ол тербелмейди.
31Аспан қуўанып, жер шадлансын,
Миллетлер арасында: „Жаратқан Ийе ҳүкимдарлық етип атыр!“ – деп айтылсын.
32Теңиз ҳәм ондағылар шуўлассын!
Дала ҳәм ондағылар байрамласын!
33Сонда тоғай ағашлары шадланып,
Жаратқан Ийениң алдында қосық айтар.
Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиўге келер.
34Жаратқан Ийени алғыслаң, Ол ийгиликли,
Оның сүйиспеншилиги мәңги.
35Оған былай деңлер:
„О, қутқарыўшымыз Қудай, бизлерди қутқар,
Бизлерди жыйнап, басқа халықлардан азат ет.
Мухаддес атыңды тәрийиплеп,
Уллылығың менен мақтанайық“.
36Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге,
Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыс-мақтаўлар болсын!»

 

 

Пүткил халық: «Аўмийин!» – деп, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.

 

Лебийлилердиң хызметке тайынланыўы

 

37Даўыт Асафты ҳәм оның ағайинлерин Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында болып, сол жерде ҳәр күнги мүтәжликлерге қарай бәрқулла хызмет етиў ушын бекитти. 38Олар менен бирге хызмет етиўи ушын Обед-Эдомды ҳәм оның алпыс сегиз лебийли ағайинин де тайынлады. Едутунның улы Обед-Эдом менен Хоса дәрўаза қараўыллары болды.
39Даўыт руўханий Садоқ пенен оның руўханий туўысқанларын Гибондағы сыйыныў орнына қурылған Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына хызметке қойды. 40Олар Жаратқан Ийениң Израилға берген Нызамында жазылған барлық қағыйдаларға сай, бәрқулла таңда ҳәм кеште жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлықлар беретуғын болды. 41Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң мәңги сүйиспеншилиги ушын Оған алғыс айтыўға тайынлады. 42Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс-мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды. 43Соннан кейин, пүткил халық өз үйлерине тарқасты. Даўыт та өз шаңарағындағыларға пәтия бериў ушын, үйине қайтты.

 

17

 

Қудайдың Даўытқа берген ўәдеси

 

1Даўыт сарайына жайғасып алғаннан кейин, Натан пайғамбарға:
– Қара, мен кедр ағашынан қурылған сарайда жасап атырман. Ал Жаратқан Ийениң Келисим сандығы болса, шатырда тур! – деди.
2Натан Даўытқа:
– Кеўлиңиз күсегенин қыла бериң. Себеби Қудай сиз бенен бирге, – деп жуўап берди.
3Бирақ сол күни түнде Натанға Қудайдан мынадай сөз түсти: 4«Барып, қулым Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мәкан басыўым ушын, Маған арнап үйди сен қурмайсаң. 5Израил халқын Мысырдан алып шыққан күннен баслап, бүгинге дейин Мен үйде жасамадым. Ал шатырдан-шатырға, ана жерден мына жерге көшип жүрдим. 6Пүткил израиллылар менен бирге көшип жүрген жерлерде халқымды басқарыўды буйырған Израил бийлериниң қайсы бирине: Неге Маған кедр ағашынан үй қурып бермедиңиз? – деген едим?“»
7Енди қулым Даўытқа былай деп айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Мен сени жайлаўда қой бағып жүрген жериңнен алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. 8Қай жерге барсаң да, сениң менен бирге болып, алдыңдағы ҳәмме душпанларыңды жоқ қылдым. Атыңды дүньядағы уллы адамлардың атлары сыяқлы уллы қыламан. 9Халқым Израил ушын орын таярлап, оларды сол жерге орналастыраман. Олардың өз журты болады ҳәм ҳеш ким тынышын бузбайды. Залымлар оларға бурынғыдай зорлық қылмайды. 10Халқым Израилға бийлер қойған ўақыттан бери, залымлар оларды езип келмекте. Мен барлық душпанларыңызды бойсындыраман.
Жаратқан Ийең болған Мен саған өзиң ушын бир шаңарақ – патшалар әўладын жарататуғынымды билдиремен.
11Сен өлип, ата-бабаларыңның жанына атланғаныңда, зүрядыңнан бирин тахтқа отырғызып, оның патшалығын беккемлеймен. 12Мен ушын үйди ол қурады. Ал Мен болсам, оның тахтын мәңгилик қылып орнатаман. 13Мен оған Әке боламан, ол Маған ул болады. Сеннен алдын болған патшадан мийримимди тартып алғаным сыяқлы, оннан Өз мийримимди ҳеш қашан тартып алмайман. 14Мен оны Өз үйимниң ҳәм патшалығымның үстинен мәңгиге қояман. Оның тахты мәңги беккем болады“».
15Солай етип, Натан аян арқалы берилген бул сөзлердиң ҳәммесин Даўытқа айтып берди.

 

Даўыттың миннетдаршылық дуўасы

 

16Соңынан Даўыт патша келип, Жаратқан Ийениң алдында отырды да, былай деди: «О, Қудай, Жаратқан Ийе! Сен мени буншелли мәртебели қылғандай, мен ким болыппан, мениң шаңарағым да не болыпты? 17О, Қудай, Сениң нәзериңде бул да аз болғандай, қулыңның урпағының келешеги туўралы да айтып бердиң. Сен маған уллы бир адам сыяқлы қарадың, о Қудай, Жаратқан Ийе! 18Қулыңа иззет-ҳүрмет көрсеткениң ушын, мен Саған басқа не айта аламан! Өйткени Сен қулыңды билесең. 19О, Жаратқан Ийе! Қулыңның ийгилиги ушын ҳәм жүрегиңе муўапық болған бул уллы исти ислеп, уллы ўәделерди ашық билдирдиң.
20О, Жаратқан Ийе, өз қулақларымыз бенен еситкен барлық хабарымыз бойынша, Саған тең келетуғыны жоқ, Сеннен басқа Қудай да жоқ! 21Дүньяда халқың Израилға уқсаған бирде бир халық жоқ. Оларды Өз халқың қылыў ушын, азат қылыўға бардың. Сен Мысырдан Өзиң ушын азат қылған халқыңның алдынан басқа халықларды қуўып жиберип, уллы ҳәм қорқынышлы ислериң арқалы Өз атыңды уллылыққа еристирдиң. 22Сен халқың Израилды мәңгиге Өз халқың қылдың ҳәм Өзиң, Жаратқан Ийе олардың Қудайы болдың.
23Енди, о, Жаратқан Ийе! Қулыңа ҳәм оның урпағына берген ўәдеңди мәңгиге тастыйықлап, сөзиңди орынлай гөр. 24Солай етип, адамлар: „Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси – Израилдың Қудайы!“ – десин ҳәм атың мәңги турып, уллылансын. Қулың Даўыттың урпағы да Сениң алдыңда беккем турсын.
25О, Қудайым! Сен маған мен ушын бир үй – патшалық жарататуғыныңды аян қылдың. Сонлықтан қулың Сениң алдыңда дуўа етиўге жүрек етти. 26Жаратқан Ийе, Сен Қудайсаң! Қулыңа усы ийгиликли нәрселерди ўәде еттиң. 27Өзиңниң алдыңда мәңгиге болыўы ушын, қулыңның патшалығын жарылқаўды мақул таптың. О, Жаратқан Ийе, оны жарылқағаның ушын, ол мәңгиге жарылқанатуғын болады».

 

18

 

Даўыттың жеңислери

 

1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды. Гат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды филистлердиң қолынан тартып алды.
2Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Олар Даўытқа қуллық етип, салық төлейтуғын болды.
3Және де, Соба патшасы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын бекитиўге барғанда, Даўыт оған Хаматқа дейин шабыўыл жасап, жеңип шықты. 4Даўыт оның мың саўаш арбасын, жети мың атлы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 6Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын жайластырды. Олар да Даўытқа қул болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
7Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди. 8Және де, Ҳададезердиң қол астындағы Тибхат ҳәм Кун қалаларынан көп муғдарда қола алды. Кейин ала, Сулайман буны Ибадатхана ушын ҳаўыз, сүтинлер ҳәм ҳәр қыйлы буйымлар ислетиў ушын қолланды.
9Хамат патшасы Тоў Даўыттың Соба патшасы Ҳададезердиң пүткил ордасын жеңип шыққанынан хабар тапты. 10Сонда Тоў өз улы Ҳадорамды[13] сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын Даўыт патшаға жиберди. Себеби Тоў Ҳададезер менен узақ ўақыт даўамында урысып киятырған еди. Ҳадорам Даўытқа алтын, гүмис ҳәм қоладан исленген ҳәр түрли саўғалар алып келди. 11Патша Даўыт бул саўғаларды барлық миллетлерден – эдом, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келген гүмис ҳәм алтын менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12Серуя улы Абишай Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды қырғынға ушыратты.
13Даўыт Эдомға сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы оған қул болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.

 

Даўыттың хызметкерлери

 

14Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти. 15Серуя улы Йоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы болды. 16Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, ал Шаўша[14] хаткер еди. 17Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың[15] сәркәрдасы еди. Даўыттың уллары да патшаның бас хызметкерлери болды.

 

19

 

Даўыттың аммонлар менен арамларды жеңиўи

 

1Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды. 2Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил билдириў ушын Ханунға елшилерин жиберди.
Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда, 3аммон басшылары Ханунға: «Даўыт мына елшилерди әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген», – деди.
4Сонда Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына дейин қыйдырып таслап, оларды изине қайтарып жиберди.
5Сөйтип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен атлыларды жаллап алыў ушын мың талант гүмис жиберди. 7Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды.
8Даўыт буны еситип, Йоаб басшылығында мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил ордасын оларға қарсы атландырды. 9Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды.
10Йоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың сайланды әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды. 11Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Олар аммонларға қарсы сап тартып турды. 12Йоаб: «Арамлар меннен басым келсе, жәрдемге келерсең. Ал егер аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман. 13Батыр бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүрес алып барайық! Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин», – деди.
14Йоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты. 15Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Йоабтың иниси Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин, Йоаб Ерусалимге қайтып келди.
16Арамлар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Евфрат дәрьясының арғы жағасындағы арамларға елшилер жиберип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шофахтың қол астындағы арамларды шақырды.
17Буннан хабар тапқан Даўыт пүткил Израил ордасын топлады. Кейин Иордан дәрьясын кесип өтип, оларға қарсы әскерлерин сапқа турғызды. Даўыт арамларға ҳүжимге өтип, олар менен урысты. 18Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети мың саўаш арбасының арбакешлери менен қырқ мың пияда әскерин өлтирди. Ол олардың ордасының сәркәрдасы Шофахты да өлтирди. 19Ҳададезердиң қол астындағы патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Даўыт пенен тынышлық келисимин дүзди ҳәм оған бағынышлы болды.
Соннан кейин, арамлар аммонларға жәрдем бериўден бас тартатуғын болды.

 

20

 

Рабба қаласының ийелеп алыныўы

 

1Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Йоаб әскерлерин баслап жолға шықты. Олар аммонлардың елин ўайран етип, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыт Ерусалимде қалған еди. Йоаб Рабба қаласына ҳүжим жасап, оны жер менен жексен етти. 2Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант[16] келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты. 3Ол қала халқын сыртқа шығарып, оларды жарғы, шөккиш ҳәм балта менен исленетуғын жумысларды ислеўге мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Буннан кейин, Даўыт пүткил әскерлерин ертип, Ерусалимге қайтты.

 

Филистлерге қарсы саўаш

 

4Бир қанша ўақыт өткеннен соң, Гезерде филистлер менен урыс басланды. Бул саўашта хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Сиппайды өлтирди. Сонда филистлер бас ийди.
5Филистлер менен болған басқа саўашта, Яир улы Элханан гатлы Голияттың туўысқаны Лахмийди өлтирди. Лахмийдиң найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.
6Кейинирек Гат қаласында және бир саўаш болып, ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди. 7Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Йонатан оны өлтирди.
8Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы адамлар да Гаттағы дәў әўладларынан еди.

 

21

 

Даўыттың халықты санақтан өткериўи

 

1Шайтан Израилға қарсы шығып, Даўытты Израил халқын санақтан өткериўге ийтермеледи. 2Сонда Даўыт Йоабқа ҳәм ләшкербасыларға:
– Барып, Беер-Шебадан Данға дейинги израиллыларды санақтан өткизип, олардың қанша екенин билиўим ушын нәтийжесин маған алып келиң, – деди.
3Бирақ Йоаб:
– Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, олардың ҳәммеси сизиң қулларыңыз емес пе? Неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? Не ушын Израилды гүнаға батырмақшысыз? – деди.
4Деген менен, патшаның сөзи Йоабтың сөзинен үстин келди. Солай етип, Йоаб кетти ҳәм пүткил Израилды аралап шығып, Ерусалимге қайтып келди. 5Йоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Пүткил Израилда урысқа жарамлы бир миллион бир жүз мың, ал Яҳудада төрт жүз жетпис мың адам бар екен.
6Йоаб патшаның буйрығына наразы болғанлығы себепли, лебийлилер менен беняминлилерди есапқа киргизбеди. 7Бул буйрық Қудайға да унамады ҳәм Ол Израил халқын жазалады.
8Сонда Даўыт Қудайға: «Бул исти ислеп, мен үлкен гүнаға баттым. Жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр. Мен қатты ақмақлық қылдым», – деди.
9Жаратқан Ийе Даўыттың ўәлийи Гадқа былай деди: 10«Барып, Даўытқа былай деп айт: „Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен“».
11Гад Даўытқа барып былай деди:
– Жаратқан Ийе былай дейди: «Мыналардан бирин таңла: 12үш жыл ашлық болсын ба? Үш ай душпанларың қуўдалап, сени қырсын ба? Ямаса Жаратқан Ийениң қылышы болған оба кеселлиги Оның периштеси арқалы пүткил Израил елин қырғынға ушыратсын ба?» Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң.
13Даўыт Гадқа:
– Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими жүдә күшли, – деп жуўап берди.
14Солай етип, Жаратқан Ийе Израил халқына оба кеселин жиберди ҳәм халықтан жетпис мың адам өлди. 15Қудай Ерусалимди жоқ етиў ушын бир периштесин жиберди. Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди қыра баслағанда, Жаратқан Ийе болып атырған апатты көрип, ашынып кетти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Орнанның[17] қырман жеринде турған еди.
16Даўыт басын көтергенде, қолындағы жалаңашланған қылышын Ерусалим тәрепке созып, жер менен аспан арасында турған Жаратқан Ийениң периштесин көрди. Сонда аза кийимин кийген Даўыт пенен халық ақсақаллары ет-бетинен жерге жығылды.
17Даўыт Қудайға жалбарынып: «Халқыңды санақтан өткериўди буйырған мен емеспен бе? Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлар не қылыпты? О Қудайым, Жаратқан Ийе! Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала. Бирақ халқыңның оба кеселлигинен қырылып кетиўине жол қойма», – деди.
18Сонда Жаратқан Ийениң периштеси пайғамбар Гадқа: «Ебус халқынан болған Орнанның қырманына барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурсын», – деген хабарды Даўытқа жеткериўди буйырды. 19Даўыт Жаратқан Ийениң Гад арқалы берген буйрығы бойынша жолға шықты. 20Қырманда бийдайын айдатып атырған Орнан артына қарағанда, периштени көрди. Сонда оның қасындағы төрт улы жасырынып алды. 21Сол ўақытта Даўыт Орнанға жақынлап киятырған еди. Орнан Даўытты көргенде, қырманнан шықты да, ет-бетинен жерге жығылып, Даўытқа тәжим етти.
22Даўыт Орнанға:
– Мына қырман турған жерди маған бер. Халыққа келген оба кеселлиги тоқтаў ушын, мен бул жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қураман. Қырман турған жерди маған толық қунына сат, – деди.
23Орнан Даўытқа:
– Ала бериң! Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны ислең. Мине, өгизлерди жандырылатуғын қурбанлық ушын, түйек айдайтуғын ағашты отын ушын ҳәм бийдайды ғәлле садақасы ушын беремен. Булардың ҳәммесин беремен, – деп жуўап берди.
24Бирақ патша Даўыт Орнанға:
– Яқ, болмайды! Буларды толық қунын төлеп, сатып аламан. Саған тийисли нәрселерди Жаратқан Ийеге усынбайман. Тегин нәрсени жандырылатуғын қурбанлық етип усынбайман, – деди.
25Солай етип, Даўыт бул жер ушын Орнанға алты жүз шекел алтын төледи. 26Даўыт сол жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе қурбанлық орындағы жандырылатуғын қурбанлыққа аспаннан от жиберип, оған жуўап берди.
27Буннан кейин, Жаратқан Ийе периштеге қылышын қынабына салып қойыўды буйырды. Периште буйрықты орынлады. 28Даўыт ебус халқынан болған Орнанның қырманында Жаратқан Ийениң өзине жуўап бергенин көргенде, ол жерде қурбанлықлар шалды. 29Шөлде Жаратқан Ийеге арнап Муўса қурдырған шатыр ҳәм жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын қурбанлық орын сол ўақытта Гибондағы сыйыныў орнында еди. 30Бирақ Даўыт Жаратқан Ийениң периштесиниң қылышынан қорққанлықтан, Қудайдың еркин билиў ушын ол жерге бара алмады.

 

22

 

1Сонда Даўыт: «Қудай Ийениң Ибадатханасы да, Израил ушын жандырылатуғын қурбанлық орын да усы жерде болады», – деди.

 

Ибадатхана ушын таярлықлар

 

2Даўыт Израилда жасайтуғын келгиндилердиң ҳәммесин жыйнаўды буйырды. Қудайдың Ибадатханасын қурыў ушын, олардың арасынан тасларды кесетуғын ҳәм жонатуғын адамларды тайынлады. 3Даўыт дәрўаза есиклериниң шегелери ҳәм қазық шегелер ушын көп муғдарда темир таярлап қойды. Таярланған қоланың да көплиги соншелли, оның салмағын анықлаў мүмкин емес еди. 4Және де, ол сансыз кедр ағашын да жыйнап қойды. Өйткени сидонлылар менен тирлилер Даўытқа көп муғдарда кедр ағашын әкелген еди.
5Даўыт: «Улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал Жаратқан Ийеге арнап қурылатуғын Ибадатхана жүдә саўлатлы болып, даңқы барлық халықларға жайылыўы керек. Сонлықтан оның қурылысы ушын таярлық көрип қоя берейин», – деди. Солай етип, Даўыт өлмесинен алдын Ибадатхана қурыў ушын үлкен таярлықлар көрди.
6Даўыт улы Сулайманды қасына шақырып алды ҳәм оған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана қурыўды тапсырып, 7былай деди: «Улым, мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап, Ибадатхана қурыўды қәлеген едим. 8Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Сен үлкен саўашларда қатнасып, көп қан төктиң. Мениң алдымда жерге көп қан төккениң ушын, Мениң атыма арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң. 9Бирақ сеннен тынышлықты сүйетуғын бир ул туўылады. Мен оны дөгерегиндеги барлық душпанларынан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Оның аты Сулайман болады. Оның дәўиринде Израилға тынышлық ҳәм аман-есенлик инәм етемен. 10Мениң атыма арнап Ибадатхананы ол қурады. Ол Маған ул болады, Мен де оған Әке боламан. Оның Израил үстинен қуратуғын патшалық тахтын мәңгиге беккемлеймен“.
11Енди, улым, Жаратқан Ийе саған яр болсын! Өзи саған ўәде еткениндей, Қудай Ийеңе арнап Ибадатхана қурғаныңда, сени табысқа еристирсин. 12Жаратқан Ийе сени Израилға ҳүкимдар етип қойғанда, Қудайың Жаратқан Ийениң Нызамына әмел қылыўың ушын, Ол саған ақыл-парасат берсин. 13Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израилға берген қағыйда ҳәм нызамларын муқыятлы түрде орынлаўға тырыссаң, табысқа ерисесең. Күшли ҳәм мәрт бол! Қорқпа, руўхың түспесин!
14Мен көп машақатлар менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын жүз мың талант алтын, бир миллион талант гүмис, өлшеп болмас дәрежеде көп қола менен темир, және де, ағаш пенен тас та жыйнап, таярлап қойдым. Буларға сен де қосарсаң. 15Сенде көп жумысшылар: тас жоныўшылар, тас қалаўшылар, ағаш усталары, ҳәр түрли өнерге ийе адамлар, 16алтын, гүмис, қола ҳәм темирди ислете алатуғын сансыз өнерментлер бар. Енди иске кирис. Жаратқан Ийе саған яр болсын!» 17Даўыт Израилдың барлық басшыларына улы Сулайманға жәрдем бериўди буйырып, 18былай деди: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер менен бирге емес пе? Сизлерди ҳәр тәреплеме тынышлыққа бөлемеди ме? Ол усы жердиң турғынларын маған тәслим қылды. Сол себепли бул жер Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқына бағынышлы болды. 19Енди жүрегиңизди ҳәм жаныңызды Қудайыңыз Жаратқан Ийени излеўге бағышлаңлар. Қудай Ийениң Ибадатханасын қурыўды баслаңлар. Кейин Жаратқан Ийениң Келисим сандығын ҳәм Қудайға бағышланған басқа мухаддес буйымларды Жаратқан Ийениң атына арнап қурылған Ибадатханаға апарып қойыңлар», – деди.

 

23

 

1Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.

 

Лебийлилердиң атқаратуғын хызметлери

 

2Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады. 3Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен. 4Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы ҳәмелдар лаўазымларға ҳәм қазылық исине, 5төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийени алғыслаў хызметине қойылсын».
6Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершом, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.
7Гершомның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.
8Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Йоел.
9Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди. 10Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди. 11Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.
12Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.
13Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди.
Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды. 14Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.
15Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.
16Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.
17Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.
18Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.
19Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
20Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.
21Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший.
Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.
22Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.
23Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды.
24Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди. 25Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти. 26Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди. 27Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.
28Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди. 29Олар нан садақаларына, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды. 30Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди. 31Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.
32Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.

 

24

 

Руўханийлердиң ўазыйпасы

 

1Харон урпақлары мынадай топарларға бөлинди. Харонның уллары: Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамар. 2Бирақ Надаб пенен Абиҳу әкесинен бурын, ул көрмей өлип кеткенликтен, тек Элазар менен Итамар руўханий болды. 3Даўыт Харон урпақларын орынлайтуғын хызметлери бойынша топарларға бөлди. Бул исте оған Элазар урпағынан Садоқ ҳәм Итамар урпағынан Ахимелех жәрдем берди. 4Элазар урпақлары арасында әўлад басшылары Итамар урпақларына қарағанда көбирек болып шықты. Сонлықтан Элазар урпақлары он алты топарға, Итамар урпақлары сегиз топарға бөлинди. 5Элазар урпақлары арасында да, Итамар урпақлары арасында да Мухаддес орынға ҳәм Қудайдың алдындағы баслы хызметлерге жуўапкер болған басшылар бар еди. Сол себепли хызметлер ҳеш кимди жақламастан, шек таслаў жолы менен бөлип берилди.
6Лебийли Нетанел улы хаткер Шемая патшаның ҳәм халық басшыларының, руўханий Садоқтың, Абиятар улы Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслаўдың жуўмағын жазып барды. Шек бойынша, Элазар урпақларынан бир шаңарақтан, Итамар урпақларынан бир шаңарақтан гезекпе-гезек алынды.

 

7Биринши шек Еҳоярибке,
Екиншиси Едаяға түсти.
8Үшинши шек Харимге,
Төртиншиси Сеоримге,
9Бесиншиси Малкияға,
Алтыншысы Мияминге,
10Жетиншиси Ҳаққосқа,
Сегизиншиси Абияға,
11Тоғызыншысы Ешуаға,
Оныншысы Шеканияға,
12Он бириншиси Эляшибке,
Он екиншиси Якимге,
13Он үшиншиси Хуппаға,
Он төртиншиси Ешебабқа,
14Он бесиншиси Билгаға,
Он алтыншысы Иммерге,
15Он жетиншиси Хезирге,
Он сегизиншиси Ҳапписсеске,
16Он тоғызыншысы Петахияға,
Жигирмаланшысы Ехезкелге,
17Жигирма бириншиси Яхинге,
Жигирма екиншиси Гамулға,
18Жигирма үшиншиси Делаяға,
Жигирма төртиншиси Маазияға түсти.

 

19Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, бабасы Харон оларға қағыйдалар берген еди. Жаратқан Ийениң Үйине киргенде, олардың хызметиниң белгиленген тәртиби соған тийкарланған еди.
20Лебийлилердиң басқа урпақлары мыналар:
Амрамның улларынан Шубаел,
Шубаелдиң улларынан Ехдея.
21Рехабия улларынан туңғышы Ишшия.
22Исҳардың урпақларынан Шеломит.
Шеломиттиң улларынан Яхат.
23Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
24Уззиелдиң улы: Миха.
Миханың улы: Шамир.
25Миханың туўысқаны: Ишшия.
Ишшияның улы Зехария.
26Мерарийдиң уллары: Махлий, Муший ҳәм Язия.
27Мерарийдиң урпақларынан Язияның уллары: Шоҳам, Заккур ҳәм Еврей.
28Махлийден Элазар туўылды. Элазардың улы болмады.
29Киштиң урпағынан Ерахмеел.
30Мушийдиң уллары: Махлий, Эдер ҳәм Еримот.
Лебий урыўынан болған әўладлар усылар еди. 31Олар да туўысқанлары Харонның урпақлары сыяқлы, патша Даўыттың, Садоқтың, Ахимелехтиң, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң әўлад басшыларының көз алдында шек таслап, өз ўазыйпаларын белгилеп алды. Шек таслағанда, үлкен улдың шаңарағы менен кишкене улдың шаңарағының ҳуқықы теңдей болды.

 

25

 

Жыршылар

 

1Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхланып қосық айтыў[18] ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў:
2Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди[19].
3Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития – жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдиретуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди.
4Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Йошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот. 5Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди. 6Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды. 7Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди. 8Олар үлкен-киши, устаз-шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады.
9Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
10Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
11Төртинши шек Исрийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
12Бесинши шек Нетанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
13Алтыншы шек Буккияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
14Жетинши шек Есарелаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
15Сегизинши шек Ийшаяға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
16Тоғызыншы шек Маттанияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
17Оныншы шек Шимейге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
18Он биринши шек Азарелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
19Он екинши шек Хашабияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
20Он үшинши шек Шубаелге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
21Он төртинши шек Маттитияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
22Он бесинши шек Еремотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
23Он алтыншы шек Хананияға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
24Он жетинши шек Йошбеқашаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
25Он сегизинши шек Хананийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
26Он тоғызыншы шек Маллотийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
27Жигирмаланшы шек Элиатаға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
28Жигирма биринши шек Ҳотирге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
29Жигирма екинши шек Гиддалтийге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
30Жигирма үшинши шек Махазиотқа, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.
31Жигирма төртинши шек Ромамтий-Эзерге, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

 

26

 

Ибадатхананың дәрўаза қараўыллары

 

1Дәрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды:
Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия.
2Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел, 3бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай.
4Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Йоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел, 5алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди.
6Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды. 7Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди. 8Олардың барлығы Обед-Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди.
9Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди.
10Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады. 11Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди.
12Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди.
13Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды.
14Шығыс тәрептеги дәрўазаға тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди. 15Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал ғәллехана оның улларына түсти. 16Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллекет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти.
Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди.
17Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, еки ғәллеханада еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды. 18Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды.
19Қорах ҳәм Мерарий урыўынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.

 

Қазна қараўыллары

 

20Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды.
21Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий.
22Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Йоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады.
23Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди: 24Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды.
25Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Йорам, Йорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди. 26Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды. 27Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди. 28Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Йоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.

 

Лебийлилердиң басқа хызметлери

 

29Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израил халқы ушын бий ҳәм қазы етип тайынланды.
30Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды. 31Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды. 32Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.

 

27

 

Ордадағы әскерий бөлимлер

 

1Төменде Израил халқының әўлад басшылары, мыңбасылары, жүзбасылары ҳәм патшалық ислерин алып баратуғын олардың басқарыўшыларының дизими берилген. Олар ҳәр бири жигирма төрт мың адамнан ибарат болған, гезек пенен жылына бир ай хызмет ететуғын әскерий топарларға жуўапкер болды.
2Биринши ай ушын қойылған биринши бөлимге Забдиел улы Яшобам басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 3Яшобам Перестиң урпағынан болып, ол биринши айда хызмет ететуғын барлық әскербасыларға басшы болды.
4Екинши ай ушын қойылған екинши бөлимге ахохлы Додай басшылық етти. Миклот оның сәркәрдасы болды. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
5Үшинши ай ушын қойылған үшинши бөлимге руўханий Еҳояданың улы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 6Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди.
7Төртинши ай ушын қойылған төртинши бөлимге Йоабтың туўысқаны Асаҳел басшылық етти. Соңынан оның орнын улы Зебадия ийеледи. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди. 8Бесинши ай ушын қойылған бесинши бөлимге израхлы Шамҳут басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
9Алтыншы ай ушын қойылған алтыншы бөлимге теқоалы Иккеш улы Ира басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
10Жетинши ай ушын қойылған жетинши бөлимге Эфрайым урыўынан пелонлы Хелес басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
11Сегизинши ай ушын қойылған сегизинши бөлимге Зерах урпағынан хушалы Сиббехай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
12Тоғызыншы ай ушын қойылған тоғызыншы бөлимге Бенямин урыўынан анатотлы Абиезер басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
13Оныншы ай ушын қойылған оныншы бөлимге Зерах урпағынан нетофалы Маҳарай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
14Он биринши ай ушын қойылған он биринши бөлимге Эфрайым урыўынан пиратонлы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
15Он екинши ай ушын қойылған он екинши бөлимге Отниелдиң урпағынан нетофалы Хелдай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.

 

Израил урыўларының көсемлери

 

16Израил урыўларын басқаратуғын көсемлер мыналар болды:

 

Рубен урыўын Зихрий улы Элиезер,
Шимон урыўын Мааха улы Шефатия,
17Лебий урыўын Кемуел улы Хашабия,
Харонның урпақларын Садоқ,
18Яҳуда урыўын Даўыттың әжағасы Элиҳу,
Иссахар урыўын Михаел улы Омрий,
19Зебулон урыўын Обадия улы Ишмая,
Нафталий урыўын Азриел улы Еримот,
20Эфрайым урыўын Азазия улы Ҳошеа,
Менашше урыўының ярымын Педая улы Йоел,
21Гиладтағы Менашше урыўының басқа ярымын Зехария улы Иддо,
Бенямин урыўын Абнер улы Ясиел,
22Дан урыўын Ерохам улы Азарел басқаратуғын болды.

 

Израил урыўларының көсемлери усылар еди.
23Даўыт жигирма ҳәм оннан төмен жастағыларды санамады. Себеби Жаратқан Ийе Израилды аспандағы жулдызлар киби көп қылыўға ўәде берген еди. 24Серуя улы Йоаб та халықты санақтан өткериўди баслағаны менен, оны ақырына жеткермеген еди. Сол санақтың кесиринен Жаратқан Ийе Израилға ғәзебин шашқан еди. Сонлықтан санақтың нәтийжеси Даўыт патшаның жылнама китабына киргизилмеди.

 

Патшаның хызметкерлери

 

25Патшаға тийисли қазналарға қараў Адиел улы Азмаўетке, ал қала әтирапындағы, қалалардағы, аўыллардағы ҳәм минаралардағы қазналарға қараў Уззия улы Йонатанға тапсырылды.

 

26Егислик жерлерди тәрбиялайтуғын дийханларға Келуб улы Эзрий,
27жүзим бағларына рамалы Шимей,
жүзим бағларындағы шарап сақланатуғын орынларға шифамлы Забдий,
28батыстағы таў етеклериндеги зәйтүн ҳәм әнжир бағларына гедерли Баал-Ханан,
зәйтүн майы сақланатуғын орынларға Йоаш,
29Шаронда отлайтуғын малларға шаронлы Шитрай,
ойпатлықларда бағылатуғын малларға Адлай улы Шафат,
30түйелерге Исмайыл урпағынан Обил,
ешеклерге меронотлы Ехдея,
31майда малларға Ажар урпағынан Язиз жуўапкер еди.

 

Булардың ҳәммеси Даўыт патшаның мал-мүлки үстинен қарайтуғын хызметкерлер еди.
32Даўыттың әкесиниң туўысқаны Йонатан мәсләҳәтши болды. Ол дана мәсләҳәтши ҳәм хаткер еди.
Хахмон улы Ехиел патшаның улларының тәрбияшысы болды.
33Ахитофел патшаның мәсләҳәтшиси, ал Арк тийресинен болған Хушай патшаның досты еди.
34Ахитофелден кейин, оның орнын Беная улы Еҳояда менен Абиятар ийеледи.
Йоаб патшаның ордасының сәркәрдасы еди.

 

28

 

Даўыттың Ибадатхана ушын жобасы

 

1Даўыт Израилдағы барлық ҳәмелдарларды – урыў басшыларын, патшаның хызметиндеги әскерий бөлимлердиң басшыларын, мыңбасыларды, жүзбасыларды, патшаға ҳәм оның улларына тийисли мүликлерди ҳәм сүриўлерди қадағалаўшыларды, сарай хызметкерлерин, әҳмийетли адамларды ҳәм барлық мәрт жаўынгерлерди Ерусалимге жыйнады.
2Даўыт патша аяққа турып, оларға былай деди: «Туўысқанларым ҳәм халқым, мени тыңлаңлар! Қудайдың аяқ басатуғын гүрсиси болған Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ушын турақлы орын болатуғын бир Ибадатхана қурмақшы едим. Қурылыс ушын таярлық та көрдим. 3Бирақ Қудай маған: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурмайсаң. Себеби сен көп урысып, қан төккен адамсаң“, – деди.
4Деген менен, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе мениң урпақларымның мәңгиге Израилда патша болыўы ушын, әкемниң пүткил нәсили арасынан мени таңлады. Ол Яҳуданы басшы етип таңлады ҳәм Яҳуда урыўынан әкемниң шаңарағын, ал әкемниң уллары арасынан мени таңлап, пүткил Израилдың патшасы қылыўды мақул тапты. 5Жаратқан Ийе маған көп уллар берип, олардың арасынан Израил үстинен Жаратқан Ийениң патшалық тахтында отырыўы ушын улым Сулайманды таңлады. 6Жаратқан Ийе маған былай деди: „Мениң Ибадатханамды ҳәм ҳәўлилеримди улың Сулайман қурады. Өйткени Мен оны Өзиме ул етип таңладым. Мен де оған Әке боламан. 7Егер ол Мениң буйрық ҳәм нызамларымды ҳәзиргидей булжытпай орынлайтуғын болса, оның патшалығын мәңгиге беккемлеймен“.
8Енди Қудайымыздың алдында ҳәм Жаратқан Ийениң жәмийети болған Израил халқының көзи алдында сизлерге тапсыраман: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар. Сонда сизлер усы берекетли жерди мәңгиге ийелеп, әўладларыңызға мәңгиге мийрас етип бересизлер.
9Ал сен, улым Сулайман, әкеңниң Қудайын танып бил ҳәм шын жүректен, жан-тәниң менен Оған хызмет ет. Себеби Жаратқан Ийе ҳәр бир жүректи сынайды ҳәм барлық ой-қыялларды түсинеди. Егер Оны излесең, сен Оны табасаң. Бирақ сен Оны тәрк етсең, Ол сеннен мәңгиге жүз бурады. 10Қулақ сал! Мухаддес мәкан болған Ибадатхананы қурыў ушын Жаратқан Ийе сени таңлаған екен, сен де мәрт болып иске кирис!»
11Кейин Даўыт Ибадатхананың айўанының, оның имаратларының, затлар сақланатуғын бөлмелериниң, жоқарғы қабатының, ишки бөлмелериниң ҳәм гүнадан пәкленетуғын орынның сызылмасын улы Сулайманға берди. 12Даўыт Мухаддес Руўх арқалы өзине аян болған барлық сызылмаларды: Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлиси менен дөгерегиндеги барлық бөлмелердиң, Қудайдың Ибадатханасының ғәзийнеханаларының, бағышланған саўғалар қойылатуғын бөлмелердиң сызылмаларының барлығын Сулайманға тапсырды. 13Даўыт Сулайманға руўханийлер менен лебийлилердиң топарларына, олардың Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы барлық хызметлерине ҳәм хызметте қолланылатуғын барлық буйымларға байланыслы көрсетпелер берди. 14Ол ҳәр түрли хызметлерде қолланылатуғын алтын ҳәм гүмис буйымларды ислетиўге керек болған алтын ҳәм гүмистиң муғдарын да белгилеп қойды: 15ҳәр бир шыра ҳәм ҳәстениң пайдаланылатуғын хызметине қарай, ҳәр бир алтын ҳәсте менен оның шыралары ушын қанша алтын, ҳәр бир гүмис ҳәсте менен оның шыралары ушын қанша гүмис кететуғынын айтты. 16Сондай-ақ, мухаддес нанлар қойылатуғын столлар ушын кететуғын алтынның, гүмис столлар ушын кететуғын гүмистиң, 17шанышқы, қан себетуғын табақлар, гүзе ушын кететуғын сап алтынның, ҳәр бир алтын тостаған ушын жумсалатуғын алтынның, ҳәр бир гүмис тостаған ушын ислетилетуғын гүмистиң, 18түтетки түтетилетуғын орын ушын кететуғын сап алтынның мөлшерин билдирди. Буннан тысқары, Даўыт оған арбаның, яғный қанатларын жайып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын жаўып туратуғын алтын керублардың сызылмасын да берди. 19Даўыт: «Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң көрсетпеси бойынша жазылып, жобаластырылды. Ол маған жобаны толық түсиниўге қәбилет берди», – деди.
20Кейин Даўыт улы Сулайманға былай деди: «Мәрт ҳәм батыр болып, иске кирис! Қорқпа, руўхың түспесин. Себеби Қудай Ийе, яғный мениң Қудайым сениң менен бирге. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының барлық ислери тамам болмағанша, Ол сени таслап та қоймайды, тәрк те етпейди. 21Мине, руўханийлер менен лебийлилердиң топарлары Қудайдың Ибадатханасындағы ҳәр қандай жумыс ушын таяр тур. Ҳәр түрли тараўдың шебер өнерментлери болған қәлеўшилер саған жәрдем береди. Ал басшылар менен пүткил халық сениң буйрықларыңа бойсынады».

 

29

 

Ибадатхананың қурылысы ушын берилген саўғалар

 

1Даўыт патша пүткил жәмийетке былай деди: «Қудай таңлап алған улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал қылынатуғын ис жүдә үлкен. Себеби бул имарат адам ушын емес, ал Қудай Ийе ушын салынады. 2Қудайымның Ибадатханасы ушын қолымнан келгенинше алтын буйымлар ушын алтын, гүмис буйымлар ушын гүмис, қола буйымлар ушын қола, темир буйымлар ушын темир, ағаш буйымлар ушын ағаш, және де, оникс, қаснаққа қойылатуғын таслар, периўза, ҳәр түрдеги реңли таслар, сондай-ақ, қымбатбаҳа таслар менен мрамордың ҳәмме түрлерин жыйнадым. 3Булардан тысқары, Қудайымның Ибадатханасына болған ықласым себепли, өзимниң жеке қазнамдағы алтын менен гүмисти де Қудайымның Ибадатханасына беремен. Оларды бул мухаддес Ибадатхана ушын өзим таярладым. 4Мен берип атырған үш мың талант Офир алтыны менен жети мың талант сап гүмис Ибадатхананың дийўалларын қаплаў, 5барлық алтын ҳәм гүмис буйымларды ислеў ушын ҳәм өнерментлердиң барлық ислеринде қолланылсын. Және де, ким бүгин өзин Жаратқан Ийеге бағышлап, Оған өз ықтыяры менен садақа бериўди қәлейди?»
6Сонда әўлад басшылары, Израилдың урыў басшылары, мыңбасылар, жүзбасылар ҳәм патшаның ислерин басқаратуғын хызметкерлер ықтыярлы садақалар берди. 7Олар Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын бес мың талант алтын менен он мың дарик алтын, он мың талант гүмис, он сегиз мың талант қола ҳәм жүз мың талант темир саўға қылды. 8Баҳалы таслары бар адамлар оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазнасына, Гершонның урпағынан болған Ехиелдиң қолына тапсырды. 9Халық өз басшыларының ықтыярлы түрде берген сыйлары ушын қуўанды. Өйткени олар Жаратқан Ийеге шын жүректен ықтыярлы түрде садақалар берип атырған еди. Даўыт патша да қатты қуўанды.

 

Даўыттың дуўасы

 

10Даўыт пүткил жәмийеттиң көз алдында Жаратқан Ийени алғыслап, былай деди:

 

 

«О, бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе,
Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11О, Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ,
Жеңис ҳәм салтанат Сеники.
Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники.
Патшалық та Сеники, о, Жаратқан Ийе!
Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер.
Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң.
Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда.
Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў,
Сениң қолыңда.
13Енди, о, Қудайымыз, Саған миннетдаршылық билдиремиз,
Әжайып атыңды алғыслаймыз.

 

 

14Бирақ Саған ықтыярлы садақалар бере алатуғындай, мен киммен, халқым ким болыпты? Ҳәр бир нәрсе Сеннен шығады, бизлер тек Сениң қолыңнан алғанларымызды ғана Саған берип атырмыз. 15Сениң алдыңда бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы, жат жерли келгиндимиз. Жер жүзиндеги өмиримиз көлеңке сыяқлы өткинши ҳәм үмитсиз. 16О, Қудайымыз, Жаратқан Ийе, мухаддес атыңа арнап Ибадатхана қурыў ушын бизлер таярлаған мына ағыл-тегил байлықты Сениң қолыңнан алғанбыз, ҳәммеси Сеники. 17Қудайым, мен Сениң жүректи сынайтуғыныңды ҳәм ҳадаллықты унататуғыныңды билемен. Мына нәрселердиң ҳәммесин мен шын жүректен ықтыярлы түрде бердим. Ҳәзир усы жерде турған халқыңның да Саған ықтыярлы садақалар берип атырғанын қуўаныш пенен көрип турман. 18О, Жаратқан Ийе, бабаларымыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы! Халқыңның бул қәлеўин мәңгиге олардың жүрегинде сақлап, жүреклерин Өзиңе садық қәлпинде сақлап қала гөр! 19Улым Сулайманға да Сениң буйрықларыңа, қарарларыңа ҳәм қағыйдаларыңа бойсыныўы ушын, және де мен керекли затларды таярлап қойған Ибадатхананы қурыўы ушын садық жүрек бере гөр!»
20Соңынан Даўыт пүткил жәмийетке: «Қудайыңыз Жаратқан Ийени алғыслаңлар!» – деди. Солай етип, ҳәммеси ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени алғыслады, Қудайдың ҳәм патшаның алдында басларын ийип, тәжим етти.

 

Сулайманның майланып, патша болыўы

 

21Келеси күни халық Жаратқан Ийеге арнап, мың бас буға, мың бас қошқар, мың тоқлы шалып, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Буларға қоса, ишимлик садақаларын да усынды. Пүткил израиллылар ушын басқа да көп қурбанлықлар берилди. 22Сол күни израиллылар үлкен қуўаныш пенен Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеди.
Кейин, Даўыттың улы Сулайманды екинши мәрте патша деп тастыйықлады. Сулайманды Жаратқан Ийениң алдында майлап, ҳүкимдар, ал Садоқты майлап, руўханий етип қойды. 23Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың орнына патша болып, Жаратқан Ийениң берген тахтына отырды. Ол табыслы болып, пүткил Израил оған бойсынды. 24Барлық басшылар, батырлар ҳәм Даўыттың уллары патша Сулайманға бағынды. 25Жаратқан Ийе пүткил Израилдың көз алдында Сулайманды уллы мәртебели қылды ҳәм оны бурынғы Израилдағы патшалардың ҳеш бири ерисе алмаған салтанатқа бөледи.

 

Даўыттың өлими

 

26Ишай улы Даўыт пүткил Израил үстинен патшалық етти. 27Оның Израил үстинен патшалық еткен ўақты қырқ жыл болып, жети жыл Хебронда, отыз үш жыл Ерусалимде патшалық етти. 28Даўыт өмирдиң рәҳәтин көрип, байлыққа ҳәм иззет-ҳүрметке толы күнлерди бастан кеширди ҳәм мазмунлы узақ өмир сүрип, бул дүньядан көз жумды. Оның орнына улы Сулайман патша болды.
29Даўыт патшаның патшалық қурған дәўириндеги ислеген ислери басынан аяғына шекем көзи ашық Самуелдиң, пайғамбар Натанның, ўәлий Гадтың қол жазбаларында жазылған. 30Бул жазбалар Даўыттың патшалығы дәўириндеги ислер, оның қүдирети, оның басынан кеширген ўақыялары, Израилда ҳәм дөгеректеги барлық еллерде болған ўақыялар туўралы баян етеди.

 

 

 

Екинши шежире

1

 

Сулайманның даналық сораўы

 

1Даўыт улы Сулайман өз патшалығын беккемлеп алды. Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, мәртебесин жүдә жоқарылатты. 2Бир күни Сулайман пүткил Израил халқын – мыңбасыларды, жүзбасыларды, бийлерди, Израилдың барлық көсемлерин ҳәм әўлад басшыларын шақыртты. 3Сулайман жыйналғанларды ертип, Гибон қаласындағы сыйыныў орнына жол алды. Қудайдың Ушырасыў шатыры сол жерде болып, оны Жаратқан Ийениң қулы Муўса шөлде тиккен еди. 4Даўыт Қудайдың Келисим сандығын қойыў ушын Ерусалимде бир шатыр тигип, сандықты Кирят-Яримнен сол шатырға алып барған еди. 5Бирақ Хурдың ақлығы Урийдиң улы Бесалел қурған қоладан исленген қурбанлық орын еле Гибондағы Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының алдында турған еди. Сулайман ҳәм жыйналған халық Қудайдың еркин билиў ушын сол жерге барды. 6Сулайман Жаратқан Ийениң алдында Ушырасыў шатырының алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға көтерилип, онда мың бас малды жандырып қурбанлыққа берди.
7Сол түни Қудай Сулайманға көринип, оған:
– Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен! – деди. 8Сулайман Қудайға былай деди:
– Әкем Даўытқа үлкен жақсылық ислеп, мени оның орнына патша етип қойдың. 9Енди Қудайым, Жаратқан Ийе, әкем Даўытқа берген ўәдеңди орынла! Ақыры, Сен мени жердиң шаңындай көп болған халық үстинен патша етип қойдың. 10Бул халықты басқара алыўым ушын, маған даналық ҳәм билим бер. Болмаса, бул уллы халқыңа ким ҳүкимдарлық қыла алады? 11Қудай Сулайманға былай деди:
– Демек жүрегиңниң қәлеўи усы. Сен байлық, мал-мүлик, даңқ-атақ яки душпанларыңа өлим тилемедиң, ҳәтте, өзиң ушын узақ өмир де сорамадың. Қайтама, сени патша етип қойған халқымды басқарыў ушын даналық ҳәм билим сорадың. 12Сонлықтан саған даналық ҳәм билим бериледи. Буған қоса, саған дейинги ҳеш бир патша көрмеген ҳәм сеннен кейин де ҳеш бир патша көрмейтуғын байлық, мал-мүлик ҳәм даңқ-атақ беремен.
13Сулайман Гибондағы Ушырасыў шатыры орналасқан сыйыныў орнынан Ерусалимге келди ҳәм Израил үстинен ҳүкимдарлық қыла баслады.

 

Патша Сулайманның күши ҳәм байлығы

 

14Сулайман саўаш арбалары менен атларды көбейтти. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары сақланатуғын қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 15Патша Ерусалимде гүмис пенен алтынды әпиўайы тасларға тең қылып қойды, ал кедр ағашын батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашы сыяқлы мол етти. 16Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди. 17Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил хеттлер менен арамлардың патшаларына сатылатуғын еди.

 

2

 

Ибадатхана қурылысына таярлық

 

1Сулайман Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана ҳәм өзи ушын бир сарай қурыўды буйырды. 2Ол жүк тасыў ушын жетпис мың, таўларда тас кесиў ушын сексен мың ҳәм оларды қадағалаў ушын үш мың алты жүз адам белгиледи. 3Сулайман Тир патшасы Хирамға былай деп айтыў ушын адамларын жиберди: «Әкем Даўыт өзи жасаў ушын сарай салдырғанда жиберген кедр бөренелеринен маған да жиберсеңиз. 4Ҳәзир мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып, Ибадатхананы Оған бағышламақшыман. Сол жерде Оның алдында хош ийисли түтеткилер түтетилип, ҳәрдайым мухаддес нанлар турыўы керек. Және де, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийе белгилеген байрамларда жандырылатуғын қурбанлықлар усынылыўы тийис. Бул рәсимлер Израил ушын мәңги қағыйда болады. 5Қудайымыз басқа барлық қудайлардан уллы болғанлығы себепли, Мен қуратуғын Ибадатхана да аса уллы болады. 6Бирақ көклер, ҳәтте, көклердиң көклери Оны сыйғыза алмағанда, Оған арнап Ибадатхана қурыўға кимниң шамасы жетеди? Оған арнап үй қуратуғындай, мен ким болыппан? Тек Оның алдында қурбанлықларды өртеп усыныў ушын бир орын қурмақшыман. 7Сол себепли маған алтын, гүмис, қола ҳәм темирден зат ислеўде, шым қызыл, қырмызы ҳәм қызғыш көк реңли жиплерден зат тоқыўда ҳәм оймашылықта шебер уста болған бир адам жиберсеңиз. Ол әкем Даўыт жетистирген шебер усталар менен бирге Яҳудада ҳәм Ерусалимде жумыс ислесин. 8Маған Лебанон таўларынан кедр, сәрўи ҳәм сапалы арша ағашларын да жиберсеңиз. Себеби адамларыңыздың Лебанондағы ағашларды кесиўге уқыплы екенин билемен. Мениң адамларым сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди. 9Олар маған жүдә көп муғдарда ағаш кесип берсин. Өйткени мен қуратуғын Ибадатхана зәўлим ҳәм салтанатлы болыўы керек. 10Мен ағашларды кесетуғын адамларыңызға жигирма мың кор женшилген бийдай, жигирма мың кор арпа, жигирма мың бат шарап ҳәм жигирма мың бат зәйтүн майын жиберемен».
11Тир патшасы Хирам Сулайманға хат арқалы былай деп жуўап берди: «Жаратқан Ийе Өз халқын сүйгенликтен, сизди патша етип қойды».
12Хирам хатын былай даўам етти: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол патша Даўытқа Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана, өзи ушын сарай салатуғын дана, ақыллы ҳәм парасатлы ул инам етипти. 13Сизге Хурам-Абий деген ақыллы ҳәм шебер бир адамды жиберемен. 14Оның анасы Дан урыўынан, ал әкеси тирли. Хурам-Абий алтын, гүмис, қола, темир, тас ҳәм ағаш пенен, шым қызыл, қызғыш көк ҳәм қырмызы реңли жиплер, және ҳасыл зығыр менен жумыс ислей алады. Ол оймашылықтың ҳәмме түрлерине уста болып, қәлеген буйыртпаңызды орынлай алады. Ол сизиң шеберлериңиз ҳәм әкеңиз мырзам Даўыттың шеберлери менен ислейди. 15Енди мырзам, өзиңиз айтқан бийдай, арпа, зәйтүн майы ҳәм шарапты қулларыңызға жиберсеңиз. 16Бизлер де Лебанон тоғайларынан сизге керекли ағашларды кесип, бир-бирине байлап сал соғып, теңиз арқалы Яфоға жеткерип беремиз. Сиз ағашларды сол жерден Ерусалимге алып кетерсиз».
17Әкеси Даўыт жүргизген сол санақтан кейин, Сулайман да Израилда жасайтуғын барлық шет еллилердиң есабын алды. Олардың саны бир жүз елиў үш мың алты жүз болды. 18Олардың жетпис мыңын жүк тасыўшы, сексен мыңын таўларда тас кесиўши, ал үш мың алты жүзин жумысшылар үстинен қадағалаўшы етип белгиледи.

 

3

 

Ибадатхананың қурылыўы

 

1Сулайман Ерусалимдеги Мория таўында, ебуслы Орнанның қырман жеринде Ибадатхана қурылысын баслады. Бул жерди әкеси Даўыт алдын ала таярлап қойған болып, ол жерде Жаратқан Ийе Даўытқа көринген еди. 2Сулайман қурылысты өз патшалығының төртинши жылының екинши айының екинши күни баслады. 3Қудайдың Ибадатханасының иргетасының өлшеми ески өлшем бирлиги бойынша мынадай болды: узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ еди. 4Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, бийиклиги бир жүз жигирма шығанақ еди. Сулайман Ибадатхананың ишин сап алтын менен қаплатты. 5Оның үлкен бөлмесиниң дийўалларын сәрўи тахташалар менен, олардың үстин сап алтын менен қаплатты. Алтынның бетине пальма ағашлары менен шынжыр нағысларын ойдырып салдырды. 6Ол Ибадатхананы қымбатбаҳа таслар менен әшекөйлетти. Ол қолланған алтын Парўайым жеринен алып келинген еди. 7Сулайман Ибадатхананың төбесиндеги өрелерди, қапының дөгерек ағашын, дийўалларын ҳәм қапыларын алтын менен қаплатып, дийўалларға керублардың сүўретлерин ойып салдырды. 8Ол Ең мухаддес бөлмени де қурдырды. Оның узынлығы да жигирма шығанақ, ени де жигирма шығанақ болып, Ибадатхананың ени менен бирдей өлшемде еди. Сулайман бул бөлмениң ишин алты жүз талант жақсы алтын менен қаплатты. 9Онда қолланылған алтын шегелердиң аўырлығы елиў шекел еди. Жоқарғы бөлмелердиң дийўаллары да алтын менен қапланды. 10Ең мухаддес бөлме ушын еки керубтың мүсинин ислетип, оларды алтын менен қаплатты. 11Керублардың қанатларының улыўма узынлығы жигирма шығанақ еди. Бир керубтың бир қанаты бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың бир дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол екинши керубтың қанатына тийип турды. 12Сол сыяқлы, екинши керубтың да бир қанатының узынлығы бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың екинши дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол биринши керубтың қанатына тийип турды. 13Керублардың жайылған қанатларының узынлығы жигирма шығанақ болды. Еки керуб та тик аяқта турған қәлипте исленип, жүзлери үлкен бөлмеге қарап турды. 14Сулайман қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм жиңишке ҳасыл зығыр жиплерден таўар тоқытты ҳәм олардың бетине керублардың сүўретлерин кестелетип, шымылдық ислетти. 15Сулайман еки өре ислетип, оларды Ибадатхананың алдына қойдырды. Ҳәр бир өрениң бийиклиги отыз бес шығанақ, ал олардың үстиндеги төбелигиниң ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди. 16Ол ҳалқа сыяқлы оралып туратуғын шынжырлар ислетип, олар менен өрениң жоқарысын безеди. Және, ол жүз дана анар мийўесин ислетип, оларды шынжырларға илдиртти. 17Өрелерди Ибадатхананың алдына: биреўин қубла тәрепине, екиншисин арқа тәрепине қойдырып, қубладағысын Яхин[1], арқадағысын Боаз[2] деп атады.

 

4

 

Ибадатханаға тийисли затларды ислеў

 

1Сулайман қоладан қурбанлық орын да ислетти. Оның узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ, бийиклиги он шығанақ еди. 2Кейин қоланы еритип, үлкен ҳаўыз қуйдырды. Оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, бийиклиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди. 3Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип буғалардың көринислери қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди. 4Ҳаўыз он еки буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди. 5Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Оған үш мың бат[3] суў сыятуғын еди. 6Сулайман он ләген ислетип, оның бесеўин қубла тәрепке, бесеўин арқа тәрепке қойды. Буларда жандырылатуғын қурбанлықлар жуўылатуғын еди. Ал ҳаўызда руўханийлер жуўынатуғын еди. 7Сулайман берилген көрсетпелер бойынша он алтын ҳәсте ислетип, олардың бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. 8Кейин ол он стол соқтырып, оның бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. Және алтыннан жүз дана қан себетуғын табақ та ислетти. 9Ол руўханийлер ушын ҳәўли ҳәм үлкен ҳәўли қурдырып, ҳәўлилер ушын қапылар ислетти ҳәм қапыларды қола менен қаплатты. 10Ҳаўызды Ибадатхананың қубла-шығыс тәрепине қойдырды. 11Буннан кейин Хурам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты.
Солай етип, Хурам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Қудайдың Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады: 12еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелигин орап турған еки торлы әшекөй, 13өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар, 14түбелдириклер ҳәм түбелдирик үстине ләгенлер, 15ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға, 16күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, шанышқылар.
Хурам-Абийдиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын патша Сулайманға ислеп берген ҳәмме буйымлары жылтыратылған қоладан исленди. 17Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Середа арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды. 18Сулайман ислеткен буйымлар соншелли көп болғанлықтан, олар ушын кеткен қоланың өлшеми анықланбады.
19-22Сулайман Қудайдың Ибадатханасы ушын төмендеги затларды ислетти:

 

 

алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын,
үстинде усынылған нанлар туратуғын столлар,
қағыйдаға муўапық, Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда жанып турыўы ушын, сап алтыннан ҳәстелер ҳәм олардың шыралары, сапалы алтыннан исленген гүллер, шыралар ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышлар, сап алтыннан пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, лаўабы кеселер, шоқ салынатуғын ыдыслар. Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ҳәм үлкен бөлмениң қапылары да алтыннан исленди.

 

5

 

1Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған барлық ислерди тамамлағаннан кейин, әкеси Даўыт атаған ҳәмме нәрсени: гүмис, алтын ҳәм басқа затларды әкелип, Қудайдың Ибадатханасының қазналарына қойды.

 

Келисим сандығының Ибадатханаға алып келиниўи

 

2Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сийоннан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды. 3Ҳәмме израиллылар жетинши айдағы байрам ўақтында патшаның алдына жыйналды. 4Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, лебийлилер сандықты жерден көтерип алды. 5Руўханийлер менен лебийлилер Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды. 6Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети сандықтың алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды. 7Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды. 8Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды. 9Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур. 10Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Мысырдан шыққанда Жаратқан Ийе бул таўда израиллылар менен келисим дүзген еди. 11Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шықты. Ол жердеги барлық руўханийлер қайсы топарға тийисли болыўына қарамастан, тазаланыў рәсиминен өткен еди. 12Барлық лебийли сазенделер: Асаф, Ҳеман, Едутун, олардың уллары ҳәм ағайинлери жуқа ҳасыл зығырдан кийим кийип алған еди. Олар кимбал, лира ҳәм арфа шертип қурбанлық орынның шығыс жағында турған еди. Олардың жанында кәрнай шалатуғын бир жүз жигирма руўханий турды. 13Кәрнайшылар менен қосықшылар биригип, бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтып, Оны тәрийипледи. Кәрнай, кимбал ҳәм басқа саз әсбапларына қосылып қосықшылар:

 

«Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның мийрим-шәпәәти мәңгилик!» – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.

 

Сонда бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды. 14Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Қудайдың Ибадатханасын толтырып турған еди.

 

6

 

Сулайманның сөзи

 

1Сонда Сулайман былай деди: «О, Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң. 2Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».

 

Сулайманның халыққа айтқан сөзлери

 

3Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди. 4Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди: 5„Халқымды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыўы ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Сондай-ақ халқым Израилды басқарыў ушын да бирде бир адамды таңламадым. 6Бирақ енди Мен атыма арнап Ибадатхана қурыў ушын Ерусалимди, ал халқымды басқарыў ушын Даўытты таңлап алдым“. 7Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди. 8Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет. 9Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди. 10Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым. 11Сондай-ақ, ишинде Жаратқан Ийениң Израил халқы менен дүзген келисими турған сандықты усы Ибадатхананың ишине қойдым».

 

Сулайманның дуўасы

 

12Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып дуўа етти. 13Қоладан узынлығы да, ени де бес шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған бир сыпа ислетип, оны ҳәўлиниң ортасына қойдырған болып, Сулайман сол сыпаға минип турған еди. Ол пүткил Израил жәмийети алдында дизерлеп отырып, қолларын көклерге жайып, 14былай деди:
«О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең. 15Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың. 16О, Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң Нызамларыма әмел қылып, жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң. 17О, Израилдың Қудайы, енди Өз қулың Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
18Расында да, Қудай жер бетинде адамлар арасында жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?! 19Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал. 20Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит. 21Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
22Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе, 23Сен оларға көклерден қулақ салып, тыңлап, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
24Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса, 25онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды өзлерине және ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
26Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса, 27онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр.
28Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса ямаса кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе, 29сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, қайғырып, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса, 30Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең. 31Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын ҳәм бәрқулла Сениң жолың менен жүрсин.
32Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң уллы атың, қүдиретли қолың ҳәм кәраматларың ҳаққында еситип, узақ елден келсе ҳәм усы Ибадатханаға қарап дуўа етсе, 33көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
34Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған дуўа етсе, 35көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
36Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, жақын ямаса узақ бир елге алып кетсе, 37олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса, 38өзлери тутқынға алынып, сүргин қылынған елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе, 39көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. Саған қарсы гүна ислеген халқыңды кешире гөр.
40Енди, о Қудайым! Нәзериң бизлерде болсын ҳәм усы жерде айтылатуғын дуўаларымызға қулақ сала гөр!

 

 

41О, Қудай, Жаратқан Ийе! Көтерил енди Өзиң жасайтуғын жерге,
Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге.
О, Қудай Ийе! Руўханийлериң қутқарыўға бөленсин,
Садық қулларың жақсылығыңнан шад болсын.
42О, Қудай Ийе! Өз майлағаныңнан ўаз кешпе,
Қулың Даўытқа көрсеткен жақсылығыңды есте сақла!»

 

7

 

Ибадатхананың бағышланыўы

 

1Сулайман дуўа етип болыўдан-ақ, аспаннан от түсип, жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықларды жалмап кетти. Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырды. 2Жаратқан Ийениң салтанатының Өз Ибадатханасын толтырғаны соншелли, руўханийлер Ибадатханаға кире алмады. 3Пүткил Израил халқы аспаннан түскен отты ҳәм Ибадатхана үстиндеги Жаратқан Ийениң салтанатын көргенде, тас төселген алаңда ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти ҳәм:

 

 

«Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның сүйиспеншилиги мәңгилик», – деп алғыс айтты.

 

4Соңынан патша ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды. 5Патша Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлыққа шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил халық Қудайдың Ибадатханасын бағышлады. 6Руўханийлер өз хызмет орынларын ийеледи. Лебийлилер де Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын патша Даўыт соқтырған саз әсбапларын қолларына алып турды. Даўыттың өзи де: «Оның сүйиспеншилиги шексиз», – деп алғыс айтқанда, усы әсбаплардан пайдаланған еди. Лебийлилердиң қарсысында турған руўханийлер кәрнайларын шалды, пүткил Израил халқы тик аяқта турған еди. 7Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени өзи қоладан ислеткен қурбанлық орынға жандырылатуғын қурбанлықлар менен ғәлле садақалары ҳәм де татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти. 8Сол ўақытта Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерде жасайтуғын пүткил Израил халқы Қос байрамын жети күн нышанлады. 9Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс өткерди. Олар жети күн даўамында қурбанлық орынды бағышлаў рәсиминен өткергеннен кейин, жети күн байрамды нышанлаған еди. 10Жетинши айдың жигирма үшинши күни Сулайман халықты үйлерине қайтарды. Жаратқан Ийениң Даўытқа, Сулайманға ҳәм Өз халқы Израилға ислеген жақсылықларына қуўанып, олардың жүреклери толып-тасты.

 

Жаратқан Ийениң Сулайманға және көриниўи

 

11Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин табыслы тамамлағаннан соң, 12түнде Жаратқан Ийе оған және көринип, былай деди:

 

«Мен сениң дуўаларыңды еситтим ҳәм бул жерди Өзиме қурбанлық шалынатуғын Ибадатхана қылып таңладым. 13Егер Мен жаўын жаўмасын деп аспанды жаўып тасласам, яки шегирткелерге жер бетиндегилерди жеп таслаўды буйырсам, яки халқыма оба жиберсем, 14сонда Мениң атым менен аталатуғын халқым Маған тәўбе қылып, дуўа етсе, Маған жүз бурып, жаман жолларынан қайтса, онда Мен аспаннан оларға қулақ саламан. Олардың гүналарын кеширип, жерлерин шыпалайман. 15Буннан былай, усы жерде қылынатуғын дуўаларға нәзеримди саламан, қулақларым түриўли болады. 16Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, усы Ибадатхананы таңлап алып, мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады. 17Саған келсек, Мениң алдымда әкең Даўытқа уқсап жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң, 18онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, патшалық тахтыңды мәңгиге туратуғын қыламан. 19Бирақ егер сизлер жолымнан тайып, берген қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, 20онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етип, оны пүткил халықлар арасында әпсанаға айландырып, күлкиге қалдыраман. 21Сонда ҳәзир зәўлим болып турған мына Ибадатхананың жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады. 22Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».

 

8

 

Сулайман қылған ислер

 

1Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди. 2Соның менен бирге Сулайман өзине Тир патшасы Хирам берген қалаларды да қайта қурып, оларға израиллыларды орналастырды. 3Сулайман Хамат-Соба патшалығына жүрис қылып, оны да қолға киргизди. 4Ол шөлдеги Тадмор қаласын ҳәм Хамат елиндеги барлық телеклери бар қалаларды қурып питкерди. 5Жоқарғы ҳәм төменги Бейт-Хорон қалаларын қайта салып, дийўал менен қоршап, тәмбиленетуғын дәрўаза қурды. 6Сондай-ақ, Баалат қаласын, өзине тийисли барлық телеклери бар қалаларды, барлық саўаш арбалары ҳәм атлары сақланатуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Солай етип, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды.
7Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди. 8Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алды. Бул ҳәзир де даўам етпекте. 9Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды өзине әскер, әскербасылар, арбалы әскерлердиң басшылары етип қойды. 10Сулайман патшаның халықты басқарып турған еки жүз елиў қадағалаўшысы да израиллылардан еди.
11Сулайман: «Ҳаялым Израил патшасы Даўыттың сарайында турмаўы керек. Себеби Жаратқан Ийениң Келисим сандығы турған жер – мухаддес», – деп, фараонның қызын Даўыттың қаласынан ол ушын салдырған сарайға көширди.
12Сулайман Ибадатхананың кирер аўзының алдына қурылған қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар усынатуғын еди. 13Ол бул қурбанлықларды Муўсаның ҳәр күн ушын белгилеп берген қағыйдасына муўапық, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында, жылдың үш байрамында: Ашытқысыз нан байрамы, Ҳәптелер байрамы ҳәм Қос байрамы күнлери усынатуғын еди. 14Сулайман әкеси Даўыттың буйрығы бойынша, руўханийлерди топарлары бойынша хызметлерге қойды. Лебийлилерди болса алғыс-мақтаў айтыў ҳәм күнделикли ислерде руўханийлерге жәрдемлесиў хызметине қойды. Дәрўаза қараўылларын да топарлары бойынша дәрўазаларға бөлип қойды. Себеби Қудайдың адамы Даўыт усылай буйырған еди. 15Патшаның руўханийлерге, лебийлилерге, сондай-ақ қазнаға байланыслы берген буйрықлары булжытпай орынланды.
16Сулайман ислеўди қәлеген ислер, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының негизин қойған күннен ол тамамланғанға шекемги ислер толық орынланды. Солай етип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурып болынды.
17Патша Сулайман Эдом жеринде, теңиз жағасында жайласқан Эсион-Гебер ҳәм Элат қалаларына барды. 18Патша Хирам Сулайманға теңизди жақсы билетуғын адамлары менен бирге кемелерин жиберди. Олар Сулайманның кемешилери менен бирге Офирге барып, ол жерден патша Сулайманға төрт жүз елиў талант алтын әкелип берди.

 

9

 

Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи

 

1Шеба ҳаял патшасы Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын, хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап Ерусалимге келди. Ол кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти. 2Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди. 3Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди. 4Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм олардың кийимлерин, оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
5Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен. 6Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше, сол сөзлерге инанбаған едим. Маған сизиң даналығыңыздың ярымын да айтпаған екен. Сиз еситкенимнен де артық екенсиз. 7Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады. 8Сизге кеўли толып, сизди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын патша етип Өз тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Қудайыңыз Израилды мәңгиге беккемлеў ушын, оны сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
9Шеба ҳаял патшасы Сулайман патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде сапалы хош ийисли затлар ҳеш қашан алып келинген емес.
10Хирам менен Сулайманның Офирден алтын алып келген адамлары да сол жерден сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди. 11Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын текшелер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин Яҳуда елинде бундай сапалы арша ағашын ҳеш ким ҳеш қашан көрмеген еди.
12Сулайман Шеба ҳаял патшасына өзиниң әкелгенинен де көбирек саўғалар берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.

 

Сулайман патшаның байлығы

 

13Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди. 14Буннан тысқары, усақлап сатыўшылар, саўдагерлер ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлери Сулайманға алтын ҳәм гүмис алып келетуғын еди.
15Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел[4] алтын жумсалды. 16Және алтыннан ҳәр бири үш жүз шекел келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
17Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты. 18Тахттың алты текшедеги ҳәм тахтқа бекитилген алтын табан тирегиши бар еди. Тахттың отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини бар еди. 19Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди. 20Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди. 21Теңизде Хирамның адамларының басшылығында Сулайманның Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир мәрте қайтып келетуғын ҳәм сонда алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
22Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды. 23Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, жер бетиндеги барлық патшалар оны көриўге қуштар еди. 24Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
25Сулайманның атлары менен саўаш арбаларына арналған төрт мың қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 26Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегарасына дейинги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. 27Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды. 28Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм басқа барлық үлкелерден алып келинетуғын еди.

 

Сулайманның өлими

 

29Сулайманның басқа ислери басынан ақырына дейин, Натан пайғамбардың тарийх китабында, шилолы Ахия пайғамбардың пайғамбаршылықларында ҳәм ўәлий Иддоның Набат улы Яробам туўралы көрген аяны баян етилген жазыўларда жазылған. 30Сулайман Ерусалимде пүткил Израил үстинен қырқ жыл патшалық етти. 31Кейин Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.

 

10

 

Израиллылардың Рехабамға қарсы көтерилиўи

 

1Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди. 2Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, Мысырдан қайтты. 3Израиллылар Яробамды шақыртты. Яробам пүткил израиллылар менен бирге Рехабамға келип:
4– Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5Рехабам оларға:
– Үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып:
– Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7Ақсақаллар оған:
– Егер сиз бул халыққа жыллы шырай көрсетип, кеўлин алып, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жаслар менен кеңесип, 9олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди:
– Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ. 11Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди. 13Патша ақсақаллардың кеңесине қулақ аспай, оларға қатал жуўап берди. 14Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен оны және де аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди. 15Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийениң шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлери орынланыўы ушын Қудай усылай иследи.
16Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди:

 

«Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар,
Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ.
Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар!
Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!»

 

Усыларды айтып, израиллылар ҳәммеси өз үйлерине қайтып кетти.
17Бирақ Рехабам Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға патшалық етиўин даўам етти.
18Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Ҳадорамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти. 19Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.

 

11

 

Шемаяның пайғамбаршылығы

 

1Рехабам Ерусалимге барды да, Израил менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады. 2Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 3«Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, Яҳуда ҳәм Бенямин жериндеги барлық израиллыларға былай деп айт: 4Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Яробамға қарсы урысыўдан ўаз кешип, изине қайтты.

 

Рехабамның Яҳуда қалаларын беккемлеўи

 

5Рехабам Ерусалимде жасады ҳәм қорғаныў ушын Яҳудадағы мына қалаларды дийўаллар менен қоршады: 6Бейтлеҳем, Этам, Теқоа, 7Бейт-Сур, Сохо, Адуллам, 8Гат, Мареша, Зиф, 9Адорайым, Лахиш, Азеқа, 10Сора, Айялон ҳәм Хеброн. Булар Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалалар еди. 11Рехабам усы қалалардың бекинислерин күшейтип, бекинислерге әскербасылар қойды ҳәм оларда азық-аўқат, зәйтүн майы ҳәм шарап сақланатуғын орынлар қурды. 12Ҳәр бир қаланы үлкен қалқан ҳәм найзалар менен тәмийинлеп, қорғаныўды беккемледи. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўлары Рехабамның қол астында қалды.
13Израилдың барлық аймақларындағы руўханийлер менен лебийлилер Рехабамның қасына топланды. 14Лебийлилер, ҳәтте, өз жайлаўлары менен мал-мүликлерин таслап, Яҳуда ҳәм Ерусалимге көшип келди. Себеби Яробам менен оның уллары оларды руўханий болып, Жаратқан Ийеге хызмет етиўден шетлеткен еди. 15Яробам теке ҳәм тана мүсинлерин ислетип сыйыныў орынларына қойды ҳәм ол жерлерге хызмет етиў ушын өз руўханийлерин тайынлады. 16Израилдың барлық урыўларындағы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылғанлар өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, руўханийлер менен лебийлилерге ерип, Ерусалимге келди. 17Олар Яҳуда патшалығын беккемледи ҳәм үш жыл даўамында Даўыт пенен Сулайманның жолы менен жүрип, Сулайманның улы Рехабамды қоллап-қуўатлады.

 

Рехабамның хожалығы

 

18Рехабам Даўыттың улы Еримоттың қызы Махалатқа үйленди. Оның анасы Ишайдың улы Элиабтың қызы Абиҳайыл еди. 19Махалат Рехабамға Еуш, Шемария ҳәм Заҳам деген улларды туўып берди.
20Махалаттан соң Рехабам Абшаломның қызы Маахаға үйленди. Ол Рехабамға Абия, Аттай, Зиза ҳәм Шеломитти туўып берди. 21Рехабам басқа ҳаяллары ҳәм тоқалларына қарағанда, Абшаломның қызы Мааханы көбирек жақсы көрди. Рехабамның он сегиз ҳаялы ҳәм алпыс тоқалы болып, олардан жигирма сегиз ул ҳәм алпыс қызы бар еди. 22Рехабам Маахадан туўылған улы Абияны өз тахтының мийрасхоры қылмақшы болып, басқа туўысқанларына басшы етип қойды. 23Рехабам ақыллылық пенен ис тутып, басқа улларының ҳәммесин Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалаларға бөлип жиберди. Оларды керек-жарағы менен молдан тәмийинлеп, бир қанша ҳаяллар алып берди.

 

12

 

Шишақтың Яҳудаға ҳүжим жасаўы

 

1Рехабам өз ҳүкимдарлығын беккемлеп, күшке толғаннан кейин, оның өзи де, пүткил Израил халқы да Жаратқан Ийениң Нызамынан жүз бурды. 2Олар Жаратқан Ийеге қыянет етти. Сонлықтан Рехабамның ҳүкимдарлығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады. 3Шишақ өзи менен бирге Мысырдан бир мың еки жүз саўаш арбасын, алпыс мың атлы әскерди, сондай-ақ либиялы, суклы ҳәм кушлы сан-санақсыз ләшкерлерди алып келди. 4Шишақ Яҳуданың қорғанлы қалаларын басып алып, Ерусалимге дейин жақынласты. 5Сонда Шишақтан қорқып, Ерусалимге жыйналған Рехабамға ҳәм Яҳуда басшыларына пайғамбар Шемая келип, былай деди:
– Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер Мени тәрк еттиңиз, енди Мен де сизлерди тәрк етип, Шишақтың қолына тапсыраман».
6Израил басшылары ҳәм патша өз айыпларын тән алып:
– Жаратқан Ийе әдил, – деди.
7Жаратқан Ийе олардың айыпларын тән алғанын көргенде, Шемаяға Оннан мынадай сөз түсти: «Олар гүналарын мойынлады. Сонлықтан Мен оларды қырып тасламайман, қутқарылыўы ушын аз-маз жәрдем беремен. Ерусалимге деген ғәзебимди Шишақ арқалы төкпеймен. 8Бирақ оларды Шишаққа бағынышлы қыламан. Сонда олар Маған хызмет етиў менен басқа еллердиң патшаларына хызмет етиў арасындағы айырмашылықты билип алады».
9Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге бастырып келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алды. 10Патша Рехабам олардың орнына қоладан қалқанлар ислетип, оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди. 11Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ҳәр барғанда, сақшылар патшаның қасында бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
12Рехабам гүнасын мойынлағанда, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтып, Яҳуда халқын толық қырып жибермеди. Яҳудада еле де жақсы ислер бар еди.
13Патша Рехабам Ерусалимде патшалығын беккемлеп, ҳүкимдарлық қыла берди. Ол тахтта отырғанда қырқ бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық қылды. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. 14Рехабам Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылмағаны себепли, жаман ислерди ислеп турды. 15Рехабам ислеген ислер басынан аяғына шекем Шемая пайғамбардың жазыўларында ҳәм ўәлий Иддоның шежиреге киргизилген жазыўларында баян етилген. Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди. 16Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Абия патша болды.

 

13

 

Яҳуда патшасы Абия

 

1Израил патшасы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абия Яҳудаға патша болды. 2Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абияның анасы гибалы Уриелдиң қызы Михая еди.
Абия менен Яробам ортасында урыс болды. 3Абия төрт жүз мың ағла әскерди саўашқа баслады. Яробам болса, сегиз жүз мың ағла ҳәм мәрт әскерин оған қарсы сапқа дизди. 4Абия Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Семарайым таўына шығып, былай деди: «Ҳәй, Яробам ҳәм пүткил Израил, мени тыңлаңлар! 5Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң бузылмас бир келисим[5] бойынша Израилға патшалық қылыўды мәңгиге Даўытқа ҳәм оның урпақларына бергенин билмейсиз бе? 6Бирақ Даўыт улы Сулайманның хызметшиси Набат улы Яробам өз мырзасына қарсы бас көтерди. 7Оның қасына оңбаған ҳәм жарамас адамлар жыйналып, Сулайман улы Рехабамға қарсы шықты. Рехабам сол ўақытта жас ҳәм тәжирийбесиз болғанлықтан, оларға қарсы тура алмады. 8Енди болса, Даўыттың урпағының қолында болған Жаратқан Ийениң патшалығына қарсы турмақшысыз. Аўа, сизлер көпшиликсиз! Буның үстине, қудайыңыз деп Яробам соқтырып берген алтын таналар да жаныңызда! 9Жаратқан Ийениң руўханийлери болған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди қуўып жиберген сизлер емес пе? Олардың орнына басқа халықлардың дәстүрине сай, әпиўайы адамлардан руўханийлерди қойып алған жоқсыз ба? Аўа, бағышланыў рәсимине бир буға ямаса жети қошқар алып келген ҳәр бир адам жалған қудайларға руўханий бола алады-дә! 10Ал бизлерге келсек, Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз! Бизлер Оннан жүз бурмадық. Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған руўханийлер де Харон урпағынан болып, лебийлилер оларға жәрдем бермекте. 11Олар ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар береди, хош ийисли түтеткилер түтетеди, арнаўлы столға мухаддес нанлар қояды, ҳәр күни кеште алтын ҳәстедеги шыраларды жағады. Аўа, бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң талапларын орынлап жүрмиз. Ал сизлер болсаңыз, Оны тәрк еттиңиз. 12Қудай бизлер менен бирге, Ол бизлердиң жолбасшымыз. Оның руўханийлери кәрнайлар шалып, сизлерге қарсы урысқа шақырады. Израил урпақлары, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы урыспаңлар! Бәри бир жеңиске ериспейсиз».
13Сол арада Яробам әскерлериниң бир бөлегин Яҳуда әскерлериниң артқы тәрепине буққы қойыў ушын жиберген еди. Әскерлердиң тийкарғы бөлими Яҳуда әскерлериниң алдында турды, ал буққыдағылар артқы тәрепинде еди. 14Яҳуда әскерлери бурылып, өзлерине алдыдан да арттан да ҳүжим жасамақшы болып турғанларды көргенде, Жаратқан Ийеге жалбарынды. Ал руўханийлер кәрнайларын шалды. 15Яҳуда әскерлери сүрен салып бақырысты. Олар бақырысқанда, Қудай Яробамды ҳәм израиллыларды Абия менен Яҳуда алдында қырғынға ушыратты. 16Израиллылар яҳудалылардың алдына түсип қашты ҳәм Қудай оларды яҳудалыларға тәслим етти. 17Абия ҳәм оның әскерлери израиллыларға аўыр соққы берди. Израиллылардың бес жүз мың ағла әскери қаза тапты. 18Солай етип израиллылар жеңилиске ушырады. Ал яҳудалылар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге сүйенгени ушын жеңиске еристи. 19Абия Яробамды қуўып кетип, оған тийисли Бейт-Эл, Ешана, Эфрон қалаларын ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды қолға киргизди.
20Яробам Абия дәўиринде өзиниң бурынғы қүдиретин тиклей алмады. Жаратқан Ийе оның жанын алды ҳәм ол қайтыс болды. 21Ал Абияның ҳүкимдарлығы күшейе берди. Ол он төрт ҳаял алып, олардан жигирма еки ул ҳәм он алты қызлы болды. 22Абияның басқа ислери, ислеген ислери ҳәм айтқанлары Иддо пайғамбардың түсиндирме китабында жазылған.

 

14

 

1Абия өлип ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды. Асаның дәўиринде елде он жыл тынышлық болды.

 

Яҳуда патшасы Аса

 

2Аса Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған ислерди иследи. 3Ол жат қудайлардың қурбанлық орынлары менен сыйыныў орынларын алып таслап, кийели тасларды ҳәм кийели ағашларын бузып таслады. 4Ол яҳудийлерге ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурып, Оның нызам ҳәм буйрықларын орынлаўды буйырды. 5Ол Яҳуданың барлық қалаларындағы сыйыныў орынларын ҳәм түтетки түтетилетуғын орынларды алып таслады. Оның дәўиринде патшалық парахатшылықта жасады. 6Елде тынышлық ҳүким сүрген ўақытта, Аса Яҳудада қорғанлы қалалар қурды. Сол жыллары оның менен ҳеш ким урыспады, себеби Жаратқан Ийе оған тынышлық сыйлаған еди. 7Аса Яҳуда халқына былай деген еди: «Мына қалаларды салып, әтирапын дийўаллар менен қоршайық. Оларға минаралар ҳәм тәмбиленетуғын дәрўазалар қурып, қалаларды беккемлейик. Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге жүз бурғанымыз ушын, бул ел еле бизлердики. Аўа, бизлер Оған жүз бурдық ҳәм Ол бизлерге ҳәр тәреплеме тынышлық сыйлады».
Солай етип, олар қурылысты баслап, табыслы тамамлады.
8Асаның Яҳуда урыўынан үлкен қалқан ҳәм найза менен қуралланған үш жүз әскери, ал Бенямин урыўынан кишкене қалқан ҳәм оқ жай менен қуралланған еки жүз сексен әскери бар еди. Олардың ҳәммеси мәрт жаўынгерлер еди.
9Кушлы Зерах миллионлаған әскери ҳәм үш жүз саўаш арбасы менен Яҳудаға атланып, Мареша қаласына жетип келди. 10Аса оған қарсы атланды. Олар Марешаға жақын жердеги Сефата ойпатлығында урысыў ушын сап тартып турды. 11Аса өз Қудайы Жаратқан Ийеге: «О, Жаратқан Ийе! Күшлиниң алдында турған күшсизге Сеннен басқа ҳеш ким жәрдем бере алмайды. О, Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерге жәрдем бере гөр! Себеби бизлер Саған сүйенемиз ҳәм Сениң атың менен мына сансыз ләшкерге қарсы шығып турмыз. Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Қудайымызсаң, инсан затының Өзиңди жеңиўине жол қойма!» – деп жалбарынды. 12Сонда Жаратқан Ийе Аса менен яҳудалылардың алдында кушлыларды қырғынға ушыратып, кушлылар қаша баслады. 13Аса болса өз әскерлери менен оларды Герарға дейин қуўып барды. Кушлылардан қаза тапқанлар соншелли көп болып, бирде биреўи аман қалмады. Олар Жаратқан Ийениң ҳәм Оның ордасының алдында қырып тасланды. Яҳуда әскерлери көп олжа менен қайтты. 14Герар әтирапындағы қалаларда жасайтуғын халық Жаратқан Ийеден қорқып қалған еди. Яҳудалылар оларға да шабыўыл жасап, қырғынға ушыратты ҳәм талан-тараж етип, мол олжа алып қайтты. 15Яҳудалылар шопанлардың шатырларына да шабыўыл жасап, олардың көп қой-ешки ҳәм түйелерин айдап кетти. Кейин олар Ерусалимге қайтып келди.

 

15

 

Патша Асаның жеңилликлери

 

1Одед улы Азарияның үстине Қудайдың Руўхы түсти. 2Сонда Азария патша Аса менен ушырасыў ушын жолға шықты ҳәм оған барып былай деди: «Ҳәй, Аса! Ҳәй, Бенямин ҳәм Яҳуда халқы, маған қулақ салыңлар! Сизлер Жаратқан Ийе менен бирге болған дәўирде, Ол да сизлер менен бирге болады. Егер Оны излесеңиз, табасызлар. Ал егер Оны тәрк етсеңиз, Ол да сизлерди тәрк етеди. 3Узақ ўақыт даўамында Израил халқы ҳақыйқый Қудайдан, тәлим беретуғын руўханийден ҳәм Оның Нызамынан алыста жасады. 4Бирақ қыйыншылыққа ушырағанында олар Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бет бурып, Оны изледи ҳәм Оны тапты. 5Сол күнлери сапарға шығыў қәўипли болып, ҳәмме еллердиң турғынлары ушын ғаўасатлы ўақытлар еди. 6Миллет миллетке, қала қалаға қарсы урысатуғын еди. Себеби Қудай оларды ҳәр түрли апатшылықларға ушыратып, албыратып қойған еди. 7Бирақ сизлер беккем болыңлар! Түскинликке түспеңлер! Өйткени мийнетиңиздиң жемисин аласызлар».
8Одед улы Азария пайғамбардың бул пайғамбаршылық сөзлерин еситкенде, Аса жигерленди. Ол пүткил Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги ҳәм Эфрайымның таўлы үлкесиндеги өзи қолға киргизген қалалардағы жеркенишли бутларды алып таслады. Сондай-ақ, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының айўанының алдына орнатылған Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тикледи. 9Буннан кейин, Аса Яҳуда ҳәм Бенямин урыўы менен бирге олардың арасында жасап атырған Эфрайым, Менашше ҳәм Шимон урыўынан болғанларды топлады. Өйткени көп адамлар Қудай Ийениң Аса менен бирге екенин көрип, Израилды таслап, Яҳудаға көшип келген еди. 10Олар Аса ҳүкимдарлығының он бесинши жылының үшинши айында Ерусалимге жыйналды. 11Сол күни олар урыстан алып келген олжасынан жети жүз бас ири мал ҳәм жети мың бас майда малды Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа берди. 12Халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәни менен излеў ушын келисим дүзди. 13Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени излемеген ҳәр бир адам: жас болсын, ғарры болсын, еркек болсын, ҳаял болсын ҳәммеси өлтирилетуғын болды. 14Олар бақырып, кәрнай ҳәм сырнай ҳаўазлары астында бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге ант ишти. 15Пүткил яҳудалылар берген анты ушын қуўанышлы еди, себеби олар шын жүректен ант ишкен еди. Олар ықласланып Жаратқан Ийени излегени ушын, Оны тапты. Жаратқан Ийе оларға ҳәр тәреплеме тынышлық берди.
16Патша Аса кемпир апасы Маахадан ханбийкелик атағын тартып алды. Себеби ол Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырған еди. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, майдалап, Кидрон сайында жағып жиберди. 17Ол Израилдағы сыйыныў орынларын жоқ қылмаса да, өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды. 18Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Қудайдың Ибадатханасына алып келди. 19Асаның патшалығының отыз бесинши жылына дейин елде урыс болмады.

 

16

 

Асаның соңғы жыллары

 

1Яҳуда патшасы Асаның ҳүкимдарлығының отыз алтыншы жылында Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шықты ҳәм Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти. 2Сонда Аса Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ҳәм сарай қазнасындағы гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди: 3«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
4Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Майым қалаларын, пүткил Нафталий жериндеги барлық телеклери бар қалаларды басып алды. 5Бааша буны еситкенде, Раманың қурылысын тоқтатып, исти таслап кетти. 6Патша Аса пүткил яҳудалыларды шақыртты. Олар Рама қаласын қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
7Сол ўақытлары көзи ашық Хананий Яҳуда патшасы Асаға келип, былай деди: «Сиз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сүйенбей, Арам патшасына сүйендиңиз. Сол себепли Арам патшасының әскерлерин қолдан шығардыңыз. 8Есиңизге түсириң, кушлылар менен либиялылар көп санлы саўаш арбалары ҳәм атлылары менен үлкен бир орда болып келмеп пе еди? Сонда сиз Жаратқан Ийеге сүйенгениңиз ушын, Ол оларды сизге тәслим еткен еди. 9Жаратқан Ийе Өзине шын жүректен садық болғанларға күш-қуўат берип турыў ушын, пүткил жер жүзине нәзер салып турады. Сиз ақылсызларша ис туттыңыз, сол себепли буннан былай сизиң басыңыз урыстан шықпайды». 10Аса көзи ашықтың бул сөзлерине ғәзепленди. Оның ғәзепленгени соншелли, көзи ашықты зинданға таслатты. Сол ўақытлары Аса халқының айырымларына қысым көрсетип, езди.
11Асаның барлық ислери басынан аяғына шекем, Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 12Ҳүкимдарлығының отыз тоғызыншы жылында, Аса аяқ аўырыўына шалынды. Аўырыўы асқынлап атырған болса да, ол Жаратқан Ийеге жүз бурмай, тәўиплерден үмит етти. 13Аса өз ҳүкимдарлығының қырқ биринши жылы өлип, ата-бабаларына қосылды. 14Оны ҳәр түрли хош ийисли затларға толтырылған табытқа жатқарып, Даўыттың қаласында өзи ушын ойдырған қәбирге қойды. Оның ҳүрметине үлкен от жақты.

 

17

 

Яҳуда патшасы Еҳошафат

 

1Асаның орнына улы Еҳошафат патша болды ҳәм Израилға қарсы бекинисин күшейтти. 2Ол Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына әскерлерин орналастырып, пүткил Яҳуда жеринде ҳәм әкеси Аса Эфрайым урыўынан басып алған қалаларға сақшылар топарларын қойды. 3Еҳошафат бабасы Даўыттың дәслепки жүрген жолларынан жүргени ушын, Жаратқан Ийе оның менен бирге болды. Ол Баалларға сыйынбай, 4әкеси Аса сыйынған Қудайға умтылып, Оның буйрықларына бойсынды. Ал Израил халқы ислеген дәстүрлерге ермеди. 5Сонлықтан Жаратқан Ийе Еҳошафаттың патшалығын беккемледи. Пүткил Яҳуда ели оған сыйлықлар алып келип турды. Усылайынша патша мол байлыққа ҳәм ҳүрметке ийе болды. 6Оның жүреги Жаратқан Ийеге бағышланған еди. Ол Яҳудадағы сыйыныў орынларын ҳәм кийели ағашларына арналған кийели ағашларды алып таслады.
7Еҳошафат өз ҳүкимдарлығының үшинши жылында өзиниң хызметкерлеринен Бен-Хайылды, Обадияны, Зехарияны, Нетанелди ҳәм Михаяны халыққа тәлим бериўи ушын Яҳуда қалаларына жиберди. 8Олар менен бирге лебийлилерден: Шемая, Натания, Зебадия, Асаҳел, Шемирамот, Еҳонатан, Адония, Тобия ҳәм Тоб-Адонияны, руўханийлерден: Элишама ҳәм Йорамды жиберди. 9Жиберилгенлер Жаратқан Ийениң Нызам китабын жанына алып жүрип, Яҳудада тәлим берди. Олар пүткил Яҳуда қалаларын аралап, халыққа үйретти. 10Яҳуда әтирапындағы барлық үлкелердиң патшалықларына Жаратқан Ийе қорқыў салғанлықтан, олардың ҳеш бири Еҳошафатқа қарсы урыс ашпады. 11Базы филистлер саўға ҳәм салық сыпатында Еҳошафатқа гүмис, ал араблар майда мал сүриўин: жети мың жети жүз қошқар ҳәм жети мың жети жүз теке алып келди. 12Еҳошафат күшейип бара берди. Ол Яҳудада қорғанлар ҳәм телеклери бар қалалар қурғызып, 13Яҳуда қалаларында көп муғдарда керек-жарақ жыйнап қойды. Ал Ерусалимде тәжирийбели баҳадыр жаўынгерлери бар еди. 14Олардың әўладлары бойынша дизими мынадай:

 

Яҳуда урыўында мыңбасылар бар еди. Әскербасы Адна үш жүз мың баҳадыр жаўынгерди басқарды. 15Оннан кейинги әскербасы Еҳоханан болып, ол еки жүз сексен мың жаўынгерге басшылық етти. 16Оннан кейинги әскербасы Зихрий улы Амасия болып, ол еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге басшылық етти. Амасия өз ерки менен Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған еди.

 

17Бенямин урыўынан шыққан оқ жай ҳәм қалқан менен қуралланған еки жүз мың баҳадыр жаўынгерге Эляда басшылық етти. 18Оннан кейинги әскербасы Еҳозабад урысқа таяр, қуралланған бир жүз сексен мың адамды басқарды.

 

19Бул жаўынгерлер патшаның пүткил Яҳуда елиндеги бекинисли қалаларына жайластырған әскерлеринен тысқары әскерлери еди.

 

18

 

Пайғамбар Миханың Ахабты ескертиўи

 

1Яҳуда патшасы Еҳошафат жүдә бай болып, атақ-абырайы асып кетти. Ол Израил патшасы Ахаб пенен қуда-тамыр болды. 2Арадан бир неше жыл өткеннен соң, Еҳошафат Ахабты көриў ушын Самарияға барды. Ахаб Еҳошафаттың ҳәм оның менен барғанлардың ҳүрметине көплеген майда ҳәм ири малларды сойды ҳәм Гиладтағы Рамот қаласына ҳүжим қылыўға көндирмекши болды. 3Соңынан Израил патшасы Ахаб Яҳуда патшасы Еҳошафаттан:
– Гиладтағы Рамотқа мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады.
Еҳошафат Ахабқа:
– Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, көриң. Сиз бенен бирге урысқа барамыз, – деп жуўап берди. 4Соңынан Еҳошафат:
– Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
5Сонда Израил патшасы төрт жүз пайғамбарды топлап, оларға:
– Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады.
Олар:
– Барың, Қудай қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
6Бирақ Еҳошафат:
– Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
7Израил патшасы Еҳошафатқа:
– Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, бәрқулла тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди.
Еҳошафат патшаға:
– Патша, булай демеңиз, – деди.
8Сонда Израил патшасы бир хызметкерди шақырып, оған: «Имла улы Миханы тез алып кел», – деп буйырды.
9Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди. 10Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
11Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
12Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып:
– Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
13Бирақ Миха оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Қудайым маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
14Миха патшаға келди. Патша Михадан:
– Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса мен оннан бас тартайын ба? – деп сорады.
Миха патшаға:
– Бара бериңлер, жеңесизлер, олар сизлерге тәслим етиледи, – деп жуўап берди.
15Деген менен, патша Михаға:
– Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған неше мәрте ант ишкизиўим керек? – деди.
16Сонда Миха патшаға былай деди:
– Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
17Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
18Миха патшаға былай деди:
– Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим. 19Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Израил патшасы Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда, 20бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады. 21Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди.
Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди. 22Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
23Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де:
– Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
24Миха оған:
– Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
25Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Йоашқа қайтып алып барыңлар. 26Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, аз-маз нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
27Миха патшаға: «Егер шынында да аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди.

 

Ахабтың өлими

 

28Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты. 29Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, олар саўашқа шықты. 30Арам патшасы өз саўаш арбаларының әскербасыларына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды. 31Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде, Қудай Ийе оған жәрдемге келип, ҳүжим қылыўшыларды басқа жаққа бурып жиберди. 32Өйткени саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты. 33Сол арада бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди. 34Деген менен, сол күни ғыжлаған саўаш болып, Израил патшасы өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалды ҳәм кешке шекем арамлыларға қарап турыўға мәжбүр болды. Кешке таман патша қаза тапты.

 

19

 

Ўәлий Еҳудың Еҳошафатқа ескертиўи

 

1Яҳуда патшасы Еҳошафат Ерусалимдеги сарайына аман-есен қайтып киятырғанда, 2Хананий улы ўәлий Еҳу Еҳошафаттың алдынан шығып, оған былай деди: «Залымларға жәрдем берип, Жаратқан Ийени жек көргенлерди сүйиўиң керек пе еди? Бул исиң ушын саған Жаратқан Ийениң ғәзеби төгилди. 3Деген менен, сениң жақсы ислериң де бар. Сен елди кийели ағашларынан тазаладың ҳәм шын жүректен Қудайды изледиң».

 

Еҳошафат киргизген жеңилликлер

 

4Еҳошафат Ерусалимде жасады. Бирақ ол тез-тез Беер-Шебадан Эфрайымның таўлы үлкелерине дейин жасайтуғын халықты аралап, оларды ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурыўға шақырар еди. 5Ол Яҳуда елиндеги барлық бекинисли қалаларға бийлер қойды. 6Ол бийлерге: «Ислеген исиңизге дыққатлы болыңлар. Себеби сизлер адамлар атынан емес, ал Жаратқан Ийениң атынан ҳүким шығарасызлар. Жаратқан Ийе ҳүким исинде сизлер менен бирге болады. 7Жаратқан Ийеден қорқың, итибарлы түрде ҳүким шығарың. Өйткени Қудайымыз Жаратқан Ийе наҳақлыққа, жалпылдақлыққа ҳәм параға көз жумып қарамайды», – дейтуғын еди.
8Еҳошафат Ерусалимде де айырым лебийлилерди, руўханийлерди ҳәм Израилдың әўлад басшыларын Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы шешимлерди қабыллаў ҳәм даўаларды шешиў ушын тайынлады. Олар Ерусалимде жасады 9Патша оларға мынадай буйрық берди: «Сизлер өз ўазыйпаларыңызды Жаратқан Ийеден қорққан ҳалда, садықлық пенен шын жүректен орынлаңлар. 10Өз қалаларында жасап атырған туўысқанларыңыз: төгилген қан туўралы болсын, Жаратқан Ийениң Нызамына, буйрықларына, қағыйдаларына ямаса қарарларына байланыслы болсын, қандай да бир даўа менен келсе, оларға Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислемеўди қатаң ескертиң. Сонда гүнадан қалыс боласыз. Болмаса, сизге де, туўысқаныңызға да Жаратқан Ийениң ғәзеби төгиледи. 11Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы ислерде бас руўханий Амария, патшаға байланыслы ислерде Яҳуданың урыўбасысы Исмайыл улы Зебадия басшылық етеди. Ал лебийлилер болса, бул ислерди қадағалаўда сизлерге жәрдем береди. Мәрт болып иске кирисиң, Жаратқан Ийе жақсылық ислеўшилерге яр болсын!»

 

20

 

Моаблылар менен аммонларға қарсы урыс

 

1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, моаблар, аммонлар ҳәм маон халқының бир бөлеги Еҳошафатқа қарсы урыс ашыў ушын жолға шықты. 2Сонда хабаршылар келип Еҳошафатқа: «Эдомнан, Өли теңиздиң арғы тәрепинен сизге урыс ашыў ушын үлкен орда киятыр. Олар ҳәзир Хасесон-Тамарға, яғный Эн-Гедийге жетип қалды», – деп хабарлады. 3Қорқып кеткен Еҳошафат Жаратқан Ийениң еркин билиўге қарар етти ҳәм пүткил Яҳуда бойлап ораза тутыўды жәриялады. 4Сонда Жаратқан Ийеден жәрдем сораў ушын, Яҳуданың барлық қалаларынан халық ағылып келип, Ерусалимге жыйналды.
5Еҳошафат Яҳуда ҳәм Ерусалим жыйынында, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жаңа ҳәўлиси алдында турып, 6былай деп дуўа етти: «Ҳәй, ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийе! Көклердеги Қудай Сен емесписең? Сен халықлардың барлық патшалықларына бийлик етесең. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Саған ҳеш ким де қарсы тура алмайды. 7О, Қудайымыз! Усы елдиң бурынғы турғынларын Өз халқың Израилдың алдынан қуўып шығып, елди Өз достың Ибрайымның урпақларына мәңгиге берген Сен емесписең? 8Олар усы елде қоныс басып, Сениң атыңа арнап Мухаддес орын қурды ҳәм былай деген еди: 9„Егер апат, яғный қылыштан жазаланыў, иллет ямаса ашлық басымызға түссе, Өзиң бар болған усы Ибадатхананың алдына, Сениң алдыңа келип, қыйыншылық ишинде Саған жалбарынамыз, Сен де бизлерди еситип, қутқарасаң“. 10Мине, Аммон, Моаб ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларының не ислеп атырғанына қара! Израиллылар Мысырдан шыққанда, Сен оларға сол халықлардың жерлерине кириўге рухсат бермедиң. Сонлықтан оларды айланып өтип, оларды қырып жибермеген еди. 11Енди болса, бул халықлардың бизге берип атырған саўғасына қарап қой! Сен бизлерге мийрасқа берген жерден олар бизлерди қуўып шығарыўға киятыр. 12О Қудайымыз, Сен оларды жазалай гөр! Себеби бизлерде өзимизге бастырып киятырған бул үлкен ордаға қарсылық қылатуғын күш жоқ. Бизлер не қылыўды билмеймиз, бирақ көз тигип, Сеннен үмит етемиз».
13Сол ўақытта пүткил Яҳуда еркеклери нәрестелери, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге Жаратқан Ийениң алдында турған еди. 14Сонда жыйын ортасында турған Яхазиелге Жаратқан Ийениң Руўхы түсти. Асаф урпағынан шыққан лебийли Яхазиел Маттанияның қуўлығы, Еиелдиң шаўлығы, Бенаяның ақлығы, Зехарияның улы еди. 15Яхазиел тил қатып, былай деди: «Ҳәй, пүткил Яҳуда менен Ерусалим турғынлары ҳәм патша Еҳошафат, тыңлаңлар! Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: „Бул сан-санақсыз ләшкерлерден қорқып, ҳүрейиңиз ушпасын. Бул урыс сизлердики емес, Меники, яғный Қудайдики. 16Ертең оларға қарсы төмен қарай жүристи баслаң. Олар Сиске баратуғын жол арқалы көтерилип киятыр. Сизлер оларды Еруел шөлиниң алдындағы ойыпатлықтың ақырында ушыратасыз. 17Бирақ сизлер урыспайсыз. Тек барып, орныңызды ийелеп турып, Жаратқан Ийениң қутқарыўын көресиз. Ҳәй, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы! Қорқып, ҳүрейиңиз ушпасын. Ертең оларға ҳүжим қылың, Жаратқан Ийе болған Мен сизлер менен бирге боламан“».
18Еҳошафат басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы да тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды. 19Қоҳат ҳәм Қорах урпақларынан тараған лебийлилер орынларынан турып, бәлент даўыс пенен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтты.
20Еҳошафаттың ләшкерлери ертеңине азанда ерте турып, Теқоа шөлине атланды. Олар жолға шығып баратырғанда Еҳошафат тоқтап оларға: «Ҳәй Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары, мени тыңлаң! Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исениң, сонда бийқәтер боласыз! Оның пайғамбарларына исениң, сонда табысқа ерисесиз» – деди. 21Еҳошафат халық пенен кеңесип болғаннан кейин, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтатуғын ҳәм Оның мухаддес салтанатын тәрийиплейтуғын қосықшыларды тайынлады. Олар әскерлердиң алдында жүрип:

 

«Жаратқан Ийени тәрийиплеңлер,
Оның садық сүйиспеншилиги мәңгилик», – деп қосық айтыўы керек еди.

 

22Олар қосық ҳәм алғыс айтып баслаған ўақытта-ақ, Жаратқан Ийе Яҳудаға урыс ашыў ушын келген аммон, моаб халықларына ҳәм таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына дузақ қурды ҳәм олар қырылды. 23Себеби аммон ҳәм моаб халқы қырып таслаў ушын, таўлы Сеир үлкесиниң турғынларына бас салды. Оларды қырып болғаннан кейин болса, Аммон ҳәм моаб халқы бир-бирин қыра баслады.
24Яҳуда халқы шөл даладағы гүзетши минарасына жетип, душпан ордасына көз жибергенде, олар тек жерде жатқан өли денелерди көрди. Олардың биреўи де қашып қутылмаған екен. 25Еҳошафат өз адамлары менен олардан қалған нәрселерди олжалаў ушын келгенде, жүдә көп қурал-сайманлар, кийим-кеншеклер ҳәм қымбатбаҳа нәрселерди тапты. Олар көтере алғандайын алып кетти. Олжаның көплиги сонша, оны жыйнаўға үш күн кетти. 26Ал төртинши күни олар бир ойпатлыққа жыйналып, Жаратқан Ийени алғыслады. Сонлықтан ол жер бүгин де Бераха[6] ойпатлығы деп аталады. 27Кейин пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы Еҳошафаттың басшылығында қуўаныш пенен Ерусалимге қайтты. Себеби Жаратқан Ийе оларды душпанларынан қутқарып, қуўанышқа бөлеген еди. 28Олар лира, арфа ҳәм кәрнай намасы астында Ерусалимге кирип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бет алды. 29Израилдың душпанларына қарсы Жаратқан Ийениң Өзиниң урысқанын еситкенде, әтираптағы патшалар Қудайдан қорқып қалды. 30Еҳошафаттың патшалығында тынышлық ҳүким сүрди. Оның Қудайы оған ҳәр тәреплеме парахатшылық сыйлаған еди.

 

Еҳошафаттың патшалығының соңы

 

31Солай етип, Еҳошафат Яҳудаға патшалық етти. Ол отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди. 32Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 33Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Сонлықтан халық еле ата-бабаларының Қудайына толық жүз бурмады. 34Еҳошафаттың басқа ислери бастан ақырына дейин, Израил патшаларының жылнама китабының бир бөлими болған Хананий улы Еҳудың қолжазбаларында баян етилген.
35Кейинирек Яҳуда патшасы Еҳошафат жаман ислерге ҳәўес болған Израил патшасы Ахазия менен тынышлық келисимин дүзди. 36Олар Таршишке жибериў ушын кеме соқтырыўға келисип алды. Кемелер Эсион-Геберде соғылды. 37Сонда марешалы Додаўаҳу улы Элиезер Еҳошафатқа қарсы пайғамбаршылық етип: «Сен Ахазия менен келисим дүзгениң ушын, Жаратқан Ийе сениң исиңди жоқ қылады», – деди. Кемелер апатқа ушырап, Таршишке жете алмады.

 

21

 

1Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Йорам патша болды.

 

Яҳуда патшасы Йорам

 

2Еҳошафат улы Йорамның Азария, Ехиел, Зехария, Азарияҳу, Михаел, Шефатия атлы инилери бар еди. Булардың ҳәммеси Израил патшасы Еҳошафаттың уллары еди. 3Әкеси Еҳошафат оларға мол алтын, гүмис ҳәм қымбатбаҳа нәрселерге қоса, Яҳудадағы қорған қалаларды да саўға етти. Ал Йорам туңғыш перзент болғанлықтан, патшалықты оған берди. 4Бирақ Йорам әкесиниң тахтына отырып, оны беккемлегеннен соң, барлық инилерин ҳәм бир қатар Израил басшыларын қылыштан өткизди. 5Йорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. 6Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 7Бирақ Жаратқан Ийе Даўыт пенен дүзген келисими себепли, Даўыттың үй-ишин жоқ қылмады. Өйткени Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
8Йорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды. 9Йорам әскербасылары ҳәм барлық саўаш арбалары менен бирге сол жерге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Йорам түнде турып, қамалды жарып шықты. 10Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да Йорамның ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерди. Себеби Йорам ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. 11Сондай-ақ, Йорам Яҳудадағы төбешикли жерлерге сыйыныў орынларын қурып, Ерусалим турғынларын Қудайға опасызлық қылыўға жетеледи ҳәм Яҳуда халқын жолдан азғырды. 12Бир күни Йорамға пайғамбар Илиястан хат келди. Онда былай деп жазылған еди:
«Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен әкең Еҳошафаттың ҳәм Яҳуда патшасы Асаның жолынан жүрмедиң. 13Керисинше, Израил патшаларының жолынан жүрдиң ҳәм Ахабтың үй-ишиниң ислегени киби, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын опасызлыққа басладың. Буның үстине, бир әкеден туўылған, сеннен жақсырақ болған өз инилериңди өлтирдиң. 14Сонлықтан Жаратқан Ийе, яғный Мен сениң халқыңа, ҳаялларыңа, балаларыңа ҳәм пүткил мал-мүлкиңе уллы апат жиберемен. 15Өзиңди болса аўыр ишек кеселлигине жолықтыраман. Ишеклериң сыртқа төгилгенше, аўырыў күннен-күнге күшейе береди“».
16Буннан кейин Жаратқан Ийе филистлерди ҳәм кушлылардың жанында жасап атырған арабларды Йорамға қарсы қозғады. 17Олар Яҳудаға шабыўыл жасап, ишкериге бастырып кирди ҳәм патшаның сарайынан тапқан ҳәмме байлықларды, сондай-ақ патшаның балалары менен ҳаялларын алып кетти. Тек Йорамның Еҳоахаз атлы генже улы ғана өзинде қалды.
18Бул ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийе Йорамды даўасы жоқ ишек кеселлигине дуўшар етти. 19Ўақыт өте берди, арадан еки жыл өткенде, кеселлик себепли оның ишеклери сыртқа атылып шықты. Ол қатты қыйналып жан тапсырды. Йорамның ата-бабалары өлгенде, халық олардың ҳүрметине от жағыў рәсимин өткерген еди, ал Йорамның ҳүрметине от жағылмады. 20Йорам тахтқа отырғанда отыз еки жаста болып, Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. Ол ушын ҳеш ким жоқлаў айтып жыламады. Ол Даўыттың қаласына жерленген болса да, патшалар қәбирине қойылмады.

 

22

 

Яҳуда патшасы Ахазия

 

1Ерусалим турғынлары Йорамның орнына оның ең генже улы Ахазияны патша етип қойды. Себеби араблар менен бирге әскерий ордаға шабыўыл жасаған басқыншылар патшаның Ахазиядан үлкен улларының ҳәммесин өлтирген еди. Усылайынша, Йорам улы Ахазия Яҳуда үстинен патшалық ете баслады. 2Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы[7] болып, аты Аталия еди. 3Ахазия Ахабтың урпағының жолынан жүрди. Себеби анасы оған мәсләҳәт берип, жаман ислерди ислеўге түртки салып отырды. 4Ахазия Ахаб урпағы сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Әкеси Йорам өлгеннен кейин, Ахаб урпақлары оған кеңесши болып, оны қулаўға алып келди. 5Ахазия олардың мәсләҳәтине қулақ салып, Израил патшасы Ахаб улы Йорамға ерип, Арам патшасы Хазаел менен урысыў ушын Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Йорамды жарадар етти. 6Патша Йорам Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, Рамада алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Йорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Йорамды көриў ушын Изреелге келди.
7Бирақ Қудай Ахазияны Йорамды көриўге келгенде өлтириўди шешип қойған еди. Ахазия келгеннен кейин, Йорам менен бирге Нимший улы Еҳуды қарсы алыўға шықты. Жаратқан Ийе Еҳуды майлап, Ахабтың үй-ишин жоқ қылыў ушын таңлаған еди. 8Еҳу Ахабтың үй-иши үстинен шығарылған ҳүкимди орынлап атырғанда, Ахазияға хызмет етип атырған Яҳуда басшылары менен Ахазияның әжағаларының улларына дус келди ҳәм оларды да өлтирди. 9Кейин ол Ахазияны излей баслады. Еҳудың адамлары Ахазияны Самариядағы жасырынған жеринен тапты ҳәм оны Еҳуға алып келип, сол жерде өлтирди. Кейин: «Бул өзин шын жүректен Жаратқан Ийеге бағышлаған Еҳошафаттың улы ғой!» – деп, оны жерледи. Солай етип, Ахазияның үй-ишинен патшалық қылғандай ҳеш ким қалмады.

 

Аталияның патшалыққа отырыўы

 

10Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, Яҳудадағы патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти. 11Бирақ патша Йорамның қызы Еҳошабат Ахазия улы Йоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Усылайынша, патша Йорамның қызы, руўханий Еҳояданың ҳаялы, Ахазияның өгей қарындасы болған Еҳошабат баланы Аталиядан жасырды. Солай етип, Аталия баланы өлтире алмады. 12Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Қудайдың Ибадатханасында олар менен алты жыл жасырын түрде жасады.

 

23

 

Аталияға қарсы бас көтериў

 

1Аталияның ҳүкимдарлығының жетинши жылы руўханий Еҳояда күшке толып, жүзбасылар: Ерохам улы Азария, Еҳоханан улы Исмайыл, Обид улы Азария, Адая улы Маасея ҳәм Зихрий улы Элишафат пенен келисим дүзди. 2Олар Яҳуданы аралап шығып, лебийлилер менен Израил әўладларының басшыларын жыйнады ҳәм Ерусалимге алып келди. 3Сөйтип пүткил жәмийет Қудайдың Ибадатханасында патша менен келисим дүзди. Еҳояда оларға былай деди: «Жаратқан Ийениң Даўыттың урпақларына берген ўәдесине муўапық, патшаның улы патшалық қылыўы керек. 4Енди сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келетуғын руўханийлер менен лебийлилердиң үштен бири дәрўазаларды қараўылласын. 5Үштен бири патшаның сарайын, ал қалған үштен бири Тийкар дәрўазасын қорғасын. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисине жыйналсын. 6Руўханийлер менен хызметтеги лебийлилерден басқа ҳеш ким Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирмесин. Олар мухаддес болғанлығы себепли, ол жерге кире алады. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң талабы бойынша сыртта қалсын. 7Лебийлилер қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын. Ибадатханаға кирген ҳәр бир адам өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
8Лебийлилер ҳәм пүткил Яҳуда халқы руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып қалды. Себеби руўханий Еҳояда топарлардың ҳеш бириниң кетиўине рухсат бермеген еди. 9Руўханий Еҳояда Қудайдың Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найзаларды, кишкене ҳәм үлкен қалқанларды жүзбасыларға таратты. 10Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойды. 11Еҳояда ҳәм оның уллары патшаның улы Йоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, кейин: «Жасасын патша!» – деп қышқырды.
12Аталия жуўырысқан ҳәм патшаны алғыслап бақырысқан халықтың шаўқымын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди. 13Қараса, патша Ибадатхананың киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып, қосықшылар болса саз әсбапларына қосылып алғыс-мақтаў қосықларын айтып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
14Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемегенликтен, әскерлерге жуўапкер жүзбасыларды жиберип атырып, оларға былай деди: «Оны арадан сыртқа алып шығыңлар ҳәм оған ерген ҳәр бир адамды қылыштан өткизиңлер», – деди. 15Әскерлер Аталияны тутып алды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына[8] әкелип, сол жерде өлтирди.

 

Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер

 

16Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда өзи, пүткил халық ҳәм патша арасында келисим дүзди. 17Соңынан пүткил халық Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. 18Кейин Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин алып барыўды лебийли руўханийлерге тапсырды. Оларға Даўыт белгилеген Ибадатхана хызметлерин орынлаў, Муўсаның Нызамында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ҳәм Даўыттың буйрығына муўапық, қуўанышлы түрде қосық айтыў тапсырылды. 19Қандай себеп пенен болса да, ҳарам болған адамның Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип кетпеўи ушын, дәрўазаға қараўыллар қойды. 20Соңынан Еҳояда жүзбасыларды, ақсүйеклерди, халық басшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Олар Жоқарғы дәрўаза арқалы өтип, патшаны тахтқа отырғызды. 21Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия қылыш пенен өлтирилген еди.

 

24

 

Яҳуда патшасы Йоаштың Ибадатхананы қайта қурыўы

 

1Йоаш жети жасында патша болып, Ерусалимде қырқ жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди. 2Йоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 3Еҳояда Йоашқа еки ҳаял алып берди. Йоаш олардан ул-қызлар көрди. 4Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Йоаш Жаратқан Ийениң Ибадатханасын оңлаўға қарар қылды. 5Ол руўханийлер менен лебийлилерди жыйнап, оларға: «Яҳуда қалаларына барып, пүткил Израил халқынан Қудайыңыздың Ибадатханасын оңлаў ушын келип түсетуғын жыллық салықты жыйнап келиң. Бул исти тез орынлаң», – деди. Бирақ лебийлилер асықпады. 6Сонда патша бас руўханий Еҳояданы шақыртып оған: «Не ушын сиз лебийлилерди Яҳудадан ҳәм Ерусалимнен салық жыйнап келиўге жибермедиң? Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм Израил жәмийети бул салықты Келисим Шатырының қәрежетлери ушын белгилеп қойған-ғо», – деди. 7Себеби залым ҳаял Аталияның уллары Қудайдың Ибадатханасына бастырып кирип, ҳәтте, ол жердеги мухаддес нәрселерди де Бааллар ушын қолланған еди.
8Патшаның буйрығы бойынша бир қуты исленип, қуты Жаратқан Ийениң Ибадатханасының дәрўазасының сыртына қойылды. 9Қудайдың қулы Муўсаның шөлде Израил халқы ушын белгилеген салығын Жаратқан Ийеге алып келиў Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жәрияланды. 10Барлық ҳәмелдарлар ҳәм пүткил халық салықты қуўанышлы түрде алып келип, толғанша қутыға таслады. 11Лебийлилер қутыны патшаның хызметшилерине алып келетуғын еди. Олар қутының толғанын көргенде, патшаның хаткерине ҳәм бас руўханийдиң жәрдемшисине хабар беретуғын еди. Олар да келип, қутыны босатып, кейин қайтадан орнына апарып қоятуғын еди. Олар бәрқулла солай иследи ҳәм көп пул жыйнады. 12Патша ҳәм Еҳояда бул пулларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын тас өриўшилерди ҳәм ағаш усталарын, сондай-ақ Ибадатхананы оңлаў ушын темир ҳәм қолаға ислеў беретуғын жумысшыларды жаллады.
13Жумысшылар ықлас пенен иследи ҳәм ислер олардың қолында алға илгериледи. Қудайдың Ибадатханасы дәслепки аўҳалына қайтып, беккемленди. 14Олар ислерин тамамлап, қалған пулларды патшаға ҳәм Еҳоядаға алып келди. Бул пулларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын хызметте ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар бергенде қолланылатуғын буйымлар, тостағанлар, басқа алтын ҳәм гүмис буйымлар исленди. Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң Ибадатханасында бәрқулла жандырылатуғын қурбанлықлар берилип барды.
15Еҳояда мазмунлы өмир сүрип, қартайып, бир жүз отыз жасында дүньядан өтти. 16Израилда Қудай ҳәм Оның Ибадатханасы ушын ислеген хызметлери есапқа алынып, оның денеси Даўыттың қаласына патшалардың қасына қойылды.

 

Йоаштың зулымлығы

 

17Еҳояданың өлиминен соң, Яҳуда басшылары патшаға келип, оған тәжим етти. Патша да оларға қулақ салды. 18Олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын тәрк етип, кийели ағашларына ҳәм басқа бутларға табына баслады. Олардың гүнасы себепли, Яҳуда ҳәм Ерусалимге Жаратқан Ийениң ғәзеби келди. 19Жаратқан Ийе халықты Өзине қайтарыў ушын пайғамбарлар жиберген болса да, пайғамбарлар оларға ескерткен болса да, бәри бир халық пайғамбарларға қулақ аспады.
20Сонда Қудайдың Руўхы руўханий Еҳояда улы Зехарияны бийлеп алды. Зехария халықтың алдына шығып, былай деди: «Қудай былай дейди: „Неге буйрықларыма қарсы шығып атырсызлар? Сизлер табысқа ерисе алмайсызлар. Себеби сизлер Мени тәрк еттиңлер, Мен де сизлерди тәрк еттим“».
21Бирақ Зехарияға қарсы тил бириктирилип, патшаның буйрығы менен Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ҳәўлисинде ол тас боран қылып өлтирилди. 22Патша Йоаш Зехарияның әкеси Еҳояда көрсеткен жақсылықларды умытып, оның улын өлтирди. Зехария жан берип атырып: «Жаратқан Ийе бул ислериңизди көрип, есесин қайтарсын!» – деди.
23Сол жылдың ақырында, Арам ордасы Йоашқа ҳүжим жасады. Олар Яҳуда ҳәм Ерусалимге кирип, халықтың барлық басшыларын өлтирди, ал алған олжаларының ҳәммесин Дамаскке, өз патшасына жиберди. 24Арам ордасы көп санлы болмаса да, Жаратқан Ийе өзлеринен жүдә үлкен болған орданы оларға тәслим етти. Өйткени Яҳуда халқы өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. Солай етип, Йоаш өз жазасын алды. 25Арам әскерлери Йоашты аўыр жараланған ҳалда таслап кетти. Сонда Йоаштың хызметкерлери руўханий Еҳояданың улының қаны ушын өш алмақшы болып тил бириктирди ҳәм Йоашты өз төсегинде өлтирди. Оны Даўыттың қаласына жерледи, бирақ патшалардың қәбирине қоймады. 26Йоашқа қарсы тил бириктиргенлер: аммон халқынан Шимеат деген ҳаялдың улы Забад ҳәм моаблы Шимрит деген ҳаялдың улы Еҳозабад еди. 27Йоаштың уллары ҳаққында мағлыўмат, Йоашқа қарсы айтылған көп санлы пайғамбаршылықлар ҳәм Ибадатхананың оңланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар «Патшалар» китабында жазылған. Йоаштың орнына оның улы Амасия патша болды.

 

25

 

Яҳуда патшасы Амасия

 

1Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди. 2Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, оларды шын жүректен ислемеди. 3Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Йоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди. 4Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, олардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
5Амасия Яҳуда халқын топлап, пүткил яҳудалылар менен беняминлилерге әўладлары бойынша мыңбасылар ҳәм жүзбасылар қойды. Кейин жигирма ҳәм оннан жоқары жастағыларды санақтан өткерип, әскерий хызметке жарамлы ҳәм найза менен үлкен қалқанды ислете алатуғын үш жүз мың ағла әскердиң бар екенин билди. 6Булардан тысқары, жүз талант гүмиске Израилдан жүз мың баҳадыр жаўынгерди жаллап алды. 7Сол арада Қудайдың бир адамы Амасияға келип былай деди:
– Тақсыр! Израил әскерлери сиз бенен бирге бармасын, себеби Жаратқан Ийе израиллылар, яғный пүткил эфрайымлылар менен бирге емес. 8Жақсысы, өзиңиз барып, иске кирисиң ҳәм мәртлерше урысың. Болмаса, Қудай сизди жеңилиске ушыратады. Өйткени Қудайдың қоллап-қуўатлаўға да, жеңилиске ушыратыўға да күши жетеди.
9Амасия Қудайдың адамынан:
– Онда Израил әскерлери ушын төленген жүз талант не болады? – деп сорады. Қудайдың адамы оған:
– Жаратқан Ийе сизге оннан да көбирегин бериўи мүмкин, – деп жуўап берди.
10Сонда Амасия Эфрайымнан келген әскерлерди үйлерине қайтарып жиберди. Олардың Яҳуда халқына деген ғәзеби лаўлады ҳәм ғәзепке толыўы менен үйлерине қайтып кетти.
11Амасия мәртлик етип, өз әскерлерин Дуз ойпатлығына алып барды ҳәм ол жерде Сеирдиң адамларынан[9] он мыңын өлтирди. 12Яҳуда әскерлери олардың және он мыңын тутқынға алып, оларды жартастың төбесине алып шықты ҳәм ол жерден төменге ийтерип жиберди. Олардың ҳәммеси бөлек-бөлек болды. 13Сол арада Амасия өзи менен урысқа барыўға рухсат бермей изине қайтарып жиберген әскерлер Самария менен Бейт-Хорон аралығындағы Яҳуда қалаларына ҳүжим қылды. Олар үш мың адамды өлтирип, көп олжа алып кетти.
14Амасия эдомлыларды қырып қайтып келгенде, Сеир халқының бутларын өзи менен бирге алып келди. Ол бул бутларды өзине қудай етип қойды ҳәм оларға табынып, қурбанлықлар берди. 15Сонда Амасияға Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм оған бир пайғамбарды жиберди. Пайғамбар патшаға:
– Өз халқын сениң қолыңнан қутқара алмаған сол халықтың қудайларына не ушын жүз бурдыңыз? – дей бергенде, 16Амасия оның гәпин бөлип:
– Қашаннан бери сен патшаның мәсләҳәтшиси болып қалдың!? Бас қыл, болмаса жаныңды аламан, – деди.
Пайғамбардың сөзи аўзында қалды, бирақ соңынан:
– Сиз усылай етип, мениң сөзлериме қулақ салмағаныңыз ушын, Қудайдың сизди жоқ қылыўды қарар еткенин билемен, – деди.
17Яҳуда патшасы Амасия кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң, Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
18Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти. 19Эдомлыларды жеңдим деп, мақтанып, көкирегиң көтерилип кетипти. Жақсысы, үйиңде отыр! Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
20Деген менен, Амасия қулақ аспады. Бул Қудайдың иси еди. Амасияның Эдомның қудайларына табынғаны ушын, Қудай оларды душпанның қолына бериўге қарар қылған еди. 21Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди. 22Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты. 23Израил патшасы Еҳоаш Еҳоахаздың ақлығы Йоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алып, оны Ерусалимге алып келди. Еҳоаш Ерусалим дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады. 24Ол Қудайдың Ибадатханасындағы Обед-Эдомның жуўапкершилиги астындағы ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме буйымларды, патша сарайындағы қазнаны, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып, Самарияға қайтып кетти.

 

Яҳуда патшасы Амасияның өлими

 

25Яҳуда патшасы Йоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди. 26Амасияның басқа ислери, басынан ақырына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 27Амасия Жаратқан Ийеден бас кешкен күннен баслап, Ерусалимде оған қарсы тил бириктириле баслады. Ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти. 28Олар Амасияның денесин атқа артып, алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.

 

26

 

Яҳуда патшасы Уззия

 

1Буннан кейин, Яҳуданың пүткил халқы он алты жасар Уззияны[10] әкеси Амасияның орнына патша етип қойды. 2Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурған усы Уззия еди. 3Уззия он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди. 4Уззия да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 5Өзине Қудайдан қорқыўды үйреткен Зехарияның көзиниң тирисинде Уззия Қудайға умтылып жасады. Ол Жаратқан Ийеге умтылып жасағанында, Қудай оны табыслы қылды.
6Уззия филистлерге урыс ашып, Гат, Ябне ҳәм Ашдод қалаларының дийўалларын қулатты. Кейин Ашдод жанына ҳәм филистлерге қараслы басқа жерлерге қалалар қурды. 7Филистлерге, Гур-Баалда жасайтуғын арабларға ҳәм меунимлилерге қарсы урыста Қудай оған жәрдем берди. 8Аммонлар Уззияға салық төлейтуғын болды. Оның күшейгенлиги соншелли, даңқы Мысыр шегараларына дейин жетти.
9Уззия Ерусалимде Мүйеш дәрўазасының, Ойпатлық дәрўазасының ҳәм дийўаллардың мүйешлериниң үстине минаралар қурып, оларды беккемледи. 10Ол шөлге де минаралар қурғызды, көплеген суў сақлағышлар қаздырды. Себеби оның батыстағы таў етеклеринде ҳәм кеңисликте бағылып атырған маллары көп еди. Ал таўларда ҳәм өнимдар жерлерде дийханлары менен жүзим өсириўши бағманлары мийнет етти. Уззия дийханшылықты сүйди.
11Уззияның топарларға бөлинип, ҳәрдайым урысқа таяр турған ләшкерлери бар еди. Оларды дизимге алып, топарларға бөлиў исин патшаның ўәзирлеринен бири Хананияның басшылығында хаткер Еиел ҳәм қадағалаўшы Маасея алып барды. 12Бул мәрт жаўынгерлерге жетекшилик ететуғын әўлад басшыларының улыўма саны еки мың алты жүз еди. 13Олардың қол астында урысқа жарамлы үш жүз жети мың бес жүз әскер болып, патшаға душпанларына қарсы урысыўда жәрдем беретуғын үлкен күш еди. 14Уззия пүткил орданы қалқан, найза, дуўлыға, саўыт, оқ жай ҳәм сақпанның таслары менен тәмийинледи. 15Ол Ерусалимдеги минаралар үстине ҳәм қала дийўалының мүйешлерине өзиниң алымлары ойлап тапқан оқ ататуғын ҳәм үлкен тасларды ылақтыратуғын урыс қуралларын орнатты. Оның даңқы алысларға жайылды. Ол Қудайдан үлкен жәрдем алғанлықтан, қүдиретли патшаға айланды.
16Деген менен, Уззияның қүдиретли болыўы, оның менменсип қулаўына алып келди. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге деген садықлығын бузып, түтетки түтетилетуғын орында түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирди. 17Руўханий Азария менен Жаратқан Ийениң сексен батыр руўханийи патшаның изинен ишке кирип, 18патшаның жолын тосып, оған былай деди: «Уззия, Жаратқан Ийеге арнап түтетки түтетиўге ҳақыңыз жоқ! Түтетки түтетиў – бул Харон урпақларынан болған бағышланған руўханийлердиң иси. Мухаддес орыннан шығып кетиң! Сиз жынаятқа қол урдыңыз. Қудай Ийе де бул исиңизди мақулламайды». 19Түтетки түтетиў ушын, хош ийисли затлар салынған табаны қолына услап турған Уззия руўханийлерге қатты ашыўланды. Сол ўақытта-ақ, олардың көз алдында Уззияның маңлайында жаман тери кеселлигиниң дағы пайда болды. Бул Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы түтетки түтетилетуғын орын жанында жүз берген еди. 20Бас руўханий Азария ҳәм барлық руўханийлер патшаға қарағанда, оның маңлайында жаман тери кеселлиги пайда болғанын көрди ҳәм оны сыртқа шығарыўға асықты. Патшаның өзи де Жаратқан Ийениң жазасына жолыққанын түсинип, ол жерден кетиўге асықты. 21Ол бир өмир жаман тери кеселлигинен қутыла алмады. Сонлықтан ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кире алмай, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Йотам басқарды. 22Уззияның басқа ислерин басынан ақырына дейин, Амос улы пайғамбар Ийшая жазып қалдырған. 23Уззия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, жаман тери кеселлиги менен аўырғанлығы себепли, патшалар қойылатуғын қәбирге емес, ал оның қасындағы атызға жерленди. Оның орнына улы Йотам патша болды.

 

27

 

Яҳуда патшасы Йотам

 

1Йотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди. 2Йотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Оның әкесинен айырмашлығы, ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бастырып кирмеди. Деген менен, халық жаўызлықларын даўам ете берди. 3Йотам Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жоқарғы дәрўазасын салдырды ҳәм қала дийўалының Офел төбешигиндеги бөлегин оңлап, үлкен жумыслар иследи. 4Буннан тысқары, патша Яҳуданың таўлы үлкесине бир қанша қалалар қурдырды, орманлы жерлерге қорғанлар менен минаралар салдырды. 5Ол аммонлардың патшасы менен урысып, жеңиске еристи. Сол жылы аммонлар Йотамға салық ретинде жүз талант гүмис, он мың кор бийдай ҳәм он мың кор арпа төледи. Екинши, үшинши жылы да олар солай иследи. 6Йотам Қудайы Жаратқан Ийеге бойсынып жасағаны ушын, қүдиретли патшаға айланды. 7Йотамның басқа ислери, жүргизген барлық урыслары ҳәм басқа ис-ҳәрекетлери Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 8Йотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. 9Йотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.

 

28

 

Яҳуда патшасы Ахаз

 

1Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол бабасы Даўытқа уқсамады, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислемеди. 2Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Баалларға табыныў ушын қуйма бут мүсинлерин ислетти. 3Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында қурбанлықлар жандырды, ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып қурбан етти. 4Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.
5Сол себепли Қудайы Жаратқан Ийе Ахазды Арам патшасының қолына берди. Арамлылар оны жеңип, халқынан көп адамларды тутқын етип, Дамаскке алып кетти.
Буннан тысқары, оны Израил патшасының да қолына берди. Израил патшасы Ахазды үлкен қырғынға ушыратты. 6Израил патшасы Ремалия улы Пеқах бир күнде Яҳуда әскерлеринен бир жүз жигирма мың баҳадыр жаўынгерди өлтирди. Себеби олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. 7Эфрайымлы Зихрий атлы батыр әскер патшаның улы Маасеяны, сарай басқарыўшысы Азриқамды ҳәм патшаның бас ўәзири Элқананы өлтирди. 8Израиллылар өзлериниң туўысқаны болған яҳудалылардан еки жүз мың ҳаял ҳәм балаларды тутқын қылып, көп олжа менен бирге Самарияға алып кетти.
9Самарияда Жаратқан Ийениң Одед атлы пайғамбары бар еди. Ол қайтып киятырған ләшкерлердиң алдынан шығып, оларға былай деди: «Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ғәзепленгени ушын оларды сизлерге тәслим етти. Бирақ сизлердиң оларды қандай қәҳәрге минип қырғаныңыз аспанға жетип барды. 10Бул аз болғандай, енди болса Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын өзлериңизге қул қылмақшысыз. Өзлериңиз не, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳеш гүна қылмадыңыз ба? 11Сонлықтан маған қулақ салып, тутқынға алған туўысқанларыңызды изге қайтарыңлар! Өйткени, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби үстиңизге дөнип тур!»
12Сонда Эфрайым халқының айырым көсемлери: Еҳоханан улы Азария, Мешиллемот улы Берехия, Шаллум улы Хизкия ҳәм Хадлай улы Амаса урыстан қайтқанларға қарсы турып: 13«Тутқынларды бул жерге алып келмеңлер. Бизлер Жаратқан Ийениң алдында айыплы болып қаламыз. Ямаса гүна ҳәм айыпларымызды және де көбейтиўди қәлейсизлер ме? Онысыз да айыпларымыз көп, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби Израилдың үстине дөнип тур», – деди.
14Сонда әскерлер тутқынлар менен олжаларды көсемлер менен пүткил жыйын турған жерге қалдырып кетти. 15Жоқарыда аты аталған төрт көсем орынларынан турып, тутқынларға ғамхорлық етти. Олардың кийими жоқларына олжадағы кийимлерден алып, кийим кийгизди, аяқ кийим берди, ишкизип-жегизди, жараларына май жақты. Ҳалдан тайғанларын ешекке мингизип, ҳәммесин пальма ағашлары өсетуғын Ерихо қаласындағы ағайинлерине алып барды. Кейин өзлери Самарияға қайтты.
16Сол арада патша Ахаз жәрдем сорап, Ассирия патшасына елши жиберди. 17Себеби эдомлылар қайтадан Яҳудаға ҳүжим жасап, адамларын тутқын етип, алып кеткен еди. 18Буның үстине, филистлер Яҳуданың батысындағы таў етеклериндеги ҳәм қубласындағы қалаларға шабыўыл жасап, Бейт-Шемеш, Айялон, Гедерот қалаларын, сондай-ақ Сохо, Тимна, Гимзо қалаларын әтирапындағы аўыллары менен қоса басып алып, ол жерлерге қонысланып алды. 19Жаратқан Ийе Яҳуданы патшасы Ахаздың кесиринен аяқ-асты қылды. Ахаз Яҳуданы гүнаға баслап, өзи де Жаратқан Ийеге опасызлық еткен еди.
20Солай етип, Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер Ахазға келди. Бирақ ол жәрдем бериўдиң орнына, оны қысқыға ала баслады. 21Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы, өзиниң сарайындағы ҳәм ҳәкимлериниң үйлериндеги баҳалы нәрселерди алып, Ассирия патшасына салық ретинде берди. Бирақ бул да оған жәрдем бермеди.
22Аўыр күнлерди басынан кеширип атырса да, Ахаз Жаратқан Ийеге деген опасызлығын бурынғыдан да күшейтти. Аўа, ол – патша Ахаз-дә! 23Ол: «Арам патшаларының қудайлары оларға жәрдем берип келмекте. Енди оларға қурбанлық берсем, олар да маған жәрдем берер», – деп ойлап, өзин жеңилиске ушыратқан Дамаск қаласының қудайларына қурбанлықлар берди. Бирақ, тилекке қарсы, олар Ахаздың өзиниң ҳәм пүткил Израилдың қулаўына себепши болды.
24Ахаз Қудайдың Ибадатханасындағы буйымларды жыйнап, майдалады. Және, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын жаптырып таслады ҳәм Ерусалим көшелериниң ҳәр бир мүйешине қурбанлық орынлар қурдырды. 25Ол басқа қудайларға арнап түтеткилер түтетиў ушын, Яҳуданың ҳәр бир қаласына сыйыныў орынларын қурып, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени ғәзеплендирди. 26Ахаздың басқа ислери ҳәм барлық ис-ҳәрекетлери бастан аяғына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 27Ахаз өлип ата-бабаларына қосылды ҳәм Ерусалим қаласында жерленди. Бирақ оны Израил патшаларының мазарына қоймады. Оның орнына улы Хизкия патша болды.

 

29

 

Яҳуда патшасы Хизкия

 

1Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия[11] болып, ол Зехарияның қызы еди. 2Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.

 

Хизкияның Ибадатхананы пәклеўи

 

3Хизкия өз патшалығының биринши жылының биринши айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қапыларын ашып, оларды дүзеттирди. 4Соңынан руўханийлер менен лебийлилерди шақыртып, Ибадатхананың шығыс тәрепиндеги майданға жыйнады ҳәм 5оларға былай деди: «Лебийлилер, мени тыңлаңлар! Өзлериңизди тазаланыў рәсиминен өткерип, пәклениңлер, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын да пәклеңлер! Ҳарам нәрселерди бул Мухаддес орыннан шығарып таслаңлар! 6Ата-бабаларымыз опасызлық қылып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Оны тәрк етти. Олар Жаратқан Ийениң қонысынан жүз бурып, Оған арқасын қаратты. 7Олар Ибадатхана ҳәўлисиниң қапыларын жаўып таслап, шыраларын да өширип қойды. Израилдың Қудайының Мухаддес орнында түтеткилер де түтетпей, жандырылатуғын қурбанлықларды да усынбай қойды. 8Сол себепли, Яҳуда менен Ерусалим Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырады. Өз көзлериңиз бенен көргениңиздей, Жаратқан Ийениң оларға ислегенлери басқаларды қорқытып, ҳүрейлерин ушырды. 9Қараңлар, сонлықтан әкелеримиз қылыштан қаза тапты, ул-қызларымыз бенен ҳаялларымыз тутқында жүр. 10Енди мен бизлерге деген лаўлаған ғәзебинен қайтыўы ушын, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен келисим дүзиўди қәлеймен. 11Балаларым, бийпәрўа болмаңлар! Себеби Жаратқан Ийе сизлерди Өзиниң алдында турып хызмет етиўиңиз ҳәм қурбанлықлар жағыўыңыз ушын таңлап алған еди».
12Сонда мына лебийлилер хызметти баслады:

 

Қоҳат урпағынан: Амасай улы Махат, Азария улы Йоел;
Мерарий урпағынан: Абдий улы Киш, Еҳаллелел улы Азария;
Гершон урпағынан: Зимма улы Йоах, Йоах улы Эден;
13Элисафан урпағынан: Шимрий ҳәм Еиел;
Асаф урпағынан: Зехария ҳәм Маттания;
14Ҳеман урпағынан: Ехиел ҳәм Шимей;
Едутун урпағынан: Шемая ҳәм Уззиел.

 

15Бул лебийлилер туўысқанларын жыйнап алып, пәклениў рәсиминен өтти. Соңынан патшаның буйрығы бойынша, Жаратқан Ийениң сөзине муўапық, Оның Ибадатханасын пәклеўге келди. 16Руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын пәклеў ушын ишке кирип, оннан тапқан ҳарам нәрселердиң бәрин ҳәўлиге шығарды. Лебийлилер оларды алып, Кидрон сайына апарып таслады. 17Олар биринши айдың биринши күни пәклеўди баслап, сол айдың сегизинши күни Ибадатхана айўанына жетти. Олар және сегиз күн Ибадатхананың өзин пәкледи ҳәм биринши айдың он алтыншы күни пәклеў исин жуўмақлады.
18Соңынан патша Хизкияға барып: «Бизлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын орынды ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрселерди, мухаддес нанлар қойылатуғын столды ҳәм оған тийисли барлық нәрселерди толық пәкледик. 19Ахаз патшаның өз ҳүкимдарлығы ўақтында Қудайға бийопалық етип, шығарып таслаған нәрселерин таярлап, пәкледик. Олар ҳәзир Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының жанында тур», – деди.

 

Ибадатхана хызметиниң тиклениўи

 

20Ертеңине патша Хизкия ерте турып, қала ҳәкимлерин жыйнады ҳәм оларды ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жол алды. 21Олар патшалық, Мухаддес орын ҳәм Яҳуда халқы ушын гүналарын өтеў қурбанлығы етип жети буға, жети қошқар, жети тоқлы ҳәм жети теке алып келди. Патша Харон урпақларынан болған руўханийлерге буларды Жаратқан Ийениң қурбанлық орны үстинде қурбанлыққа бериўди буйырды.
22Руўханийлер дәслеп тоқлыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи. Соңынан қошқарларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи, кейин қозыларды сойып, қанын қурбанлық орынға септи. 23Ақырында, гүна қурбанлығы ушын берилген текелерди патша менен пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. Олар текелердиң үстине қолларын қойды. 24Кейин руўханийлер текелерди сойып, қанын пүткил Израил халқының гүналардан тазаланыўы ушын, гүнаның қуны ретинде қурбанлық орынға септи. Себеби патша жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм гүна қурбанлықлары пүткил Израил халқы ушын берилсин, деп буйырған еди. 25Соңынан патша Даўыттың, оның ўәлийи Гадтың ҳәм пайғамбары Натанның көрсетпесине муўапық, лебийлилерге кимбал, арфа ҳәм лира берип, оларды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына орналастырды. Усылай ислеўди Жаратқан Ийе Өз пайғамбарлары арқалы буйырған еди. 26Лебийлилер Даўыттың саз әсбаплары менен, руўханийлер кәрнайлар менен өз орынларын ийеледи. 27Хизкия жандырылатуғын қурбанлықты қурбанлық орында усыныўды буйырды. Қурбанлықлар жандырыла баслағанда, кәрнайларға ҳәм Израил патшасы Даўыттың саз әсбапларына қосылып, Жаратқан Ийеге арнап қосықлар айтыла баслады. 28Қурбанлық жандырылып болынғанша, пүткил жыйналғанлар тәжим етип, қосықшылар қосық айтып, кәрнайшылар кәрнайларын шертип турды. 29Қурбанлық бериў тамам болғанда, патша ҳәм оның жанындағылар дизелерин бүгип, сыйынды. 30Патша Хизкия ҳәм оның хызметшилери лебийлилерге Даўыттың ҳәм ўәлий Асафтың сөзлери менен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыўды буйырды. Олар қуўаныш пенен алғыс-мақтаў айтты, сыйынды ҳәм тәжим етти.
31Кейин Хизкия: «Мине, сизлер өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышладыңлар. Енди жақынырақ келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын алып келиңлер», – деди. Сонда жыйналғанлар қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын берди. Айырым қәлеўшилер болса, жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди. 32Халық алып келген жандырылатуғын қурбанлықлардың улыўма саны мынадай болды: жетпис буға, жүз қошқар, еки жүз тоқлы. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге арнап жандырыў ушын алып келинген еди. 33Басқа мухаддес қурбанлықлар ушын да алты жүз бас ири мал, үш мың бас майда мал да алып келинди. 34Бирақ руўханийлер дым аз болғанлықтан, жандырылатуғын қурбанлықлардың терисин сылып үлгере алмай атырған еди. Сол себепли ис тамам болғанша ҳәм басқа руўханийлер пәклениў рәсиминен өтип болғанша, лебийли туўысқанлары оларға жәрдем берди. Себеби лебийлилер пәклениў рәсимине руўханийлерге қарағанда итибарлырақ еди. 35Татыўлық қурбанлықларының майы ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм оның менен берилетуғын ишимлик садақалары мол болды.
Усылайынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының хызмети қайта тикленди. 36Хизкия ҳәм пүткил халық Қудайдың халық ушын ислеген ислерине қуўанды. Себеби бул ис қысқа ўақыт ишинде жүз берди.

 

30

 

Қутқарылыў байрамына таярлық

 

1Хизкия пүткил Израил ҳәм Яҳудаға хабар жиберип, Эфрайым ҳәм Менашше урыўларына да хат жазып, оларды Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына мирәт етти. 2Патша, оның ўәзирлери ҳәм Ерусалимдеги пүткил жыйын кеңесип, байрамды екинши айда өткериўди шешти. 3Олар байрамды белгиленген ўақытта, биринши айда өткере алмаған еди. Себеби пәклениў рәсиминен өткен руўханийлер жеткиликсиз болды ҳәм халық та Ерусалимге жыйналып үлгермеди. 4Бул усыныс патшаға да, пүткил жыйынға да унады. 5Солай етип, олар пүткил Израил бойлап, қубладағы Беер-Шебадан арқадағы Данға шекемги пүткил халық Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын нышанлаў ушын Ерусалимге келсин деп жәриялаўды шешти. Себеби бул байрам жазылғанға сай улыўма халықлық байрам сыпатында нышанланбай киятырған еди. 6Патшаның буйрығы бойынша, шабарманлар патшаның ҳәм оның хызметкерлериниң жазған хатын пүткил Израил ҳәм Яҳуда бойлап таратты. Онда былай деп жазылған еди: «Израил халқы, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қайтыңлар! Сонда Ол да сизлерге, Ассирия патшаларының қолынан аман қалғанларға қайтады. 7Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге опасызлық еткен ата-бабаларыңыз ҳәм туўысқанларыңыз сыяқлы болмаңлар! Көрип турғаныңыздай, Жаратқан Ийе оларды қорқынышлы көриниске алып келди. 8Ата-бабаларыңыз сыяқлы қайсар болмай, Жаратқан Ийеге бойсыныңлар! Оның мәңгиге мухаддес қылған Мухаддес орнына келип, үстиңизге дөнип турған Оның лаўлаған ғәзебиниң басылыўы ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиңлер! 9Егер Жаратқан Ийеге жүз бурсаңыз, ағайинлериңизди ҳәм балаларыңызды тутқында услап турғанлар оларға реҳим етип, оларды усы елге қайтарады. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе мийримли ҳәм реҳимли. Егер Оған қайтсаңыз, Ол сизлерден жүз бурмайды».
10Солай етип, шабарманлар Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин Зебулонға шекем қалама-қала аралап шықты. Бирақ адамлардың көпшилиги жаршылардың үстинен күлип, масқаралады. 11Деген менен, Ашер, Менашше ҳәм Зебулон урыўларының айырымлары бойсынып, Ерусалимге келди. 12Жүреклерине бирлик руўхын сыйлаған Жаратқан Ийениң қолы да Яҳуда үстинде болып, халықта патша ҳәм оның ўәзирлериниң Жаратқан Ийениң сөзи бойынша берген буйрығын орынлаўға деген қәлеў туўдырды.
13Екинши айда Ашытқысыз нан байрамын нышанлаў ушын, жүдә үлкен аламан Ерусалимге жыйналды. 14Олар иске кирисип, Ерусалимдеги жат қудайларға арналған қурбанлық орынларды ҳәм түтетки түтетилетуғын барлық қурбанлық орынларды қыйратып, Кидрон сайына ылақтырды. 15Екинши айдың он төртинши күни олар Қутқарылыў байрамына арналған қурбанлық қозысын шалды. Руўханийлер менен лебийлилер уялып қалып, өзлерин пәкледи ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди. 16Кейин олар Қудайдың адамы Муўсаның нызамы бойынша, өз орынларын ийеледи. Руўханийлер лебийлилер әкелип берген қурбанлық қанын алып, қурбанлық орынға септи. 17Халық арасында өзлерин пәклемеген адамлар көп еди. Сонлықтан тазаланыў рәсиминен өтпегенлердиң Қутқарылыў қурбанлығын сойыў ҳәм оларды Жаратқан Ийеге бағышлаў лебийлилерге жүкленди. 18Халықтың көпшилиги, әсиресе Эфрайым, Менашше, Иссахар ҳәм Зебулон урыўларынан келгенлердиң көбиси пәклениў рәсиминен өтпеген болса да, Қутқарылыў байрамының асынан жеп, қағыйданы бузды. Бирақ Хизкия олар ушын былай деп дуўа етти: «О, ийгиликли Жаратқан Ийе! 19Бул адамлар Мухаддес орынның нызамына сай өзлерин пәклемеген болса да, олар ата-бабаларының Қудайы – Қудай Ийени шын жүректен изледи, сонлықтан олардың ҳәр бирин кешире гөр!» 20Жаратқан Ийе Хизкияның дуўасын еситти ҳәм халықты кеширди.
21Ерусалимге жыйналған израиллылар жети күн даўамында үлкен қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын нышанлады. Лебийлилер менен руўханийлер Жаратқан Ийени тәрийиплеўге арналған саз әсбаплары менен ҳәр күни Жаратқан Ийеге арнап алғыс-мақтаў айтты. 22Хизкия Жаратқан Ийеге деген хызметлерин шеберлик пенен атқарған лебийлилерди жигерлендирди. Халық жети күн даўамында татыўлық қурбанлықларын берди, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар айтып, байрам асынан жеди.
23Пүткил жыйын байрамды және жети күнге созыўға қарар етти. Сөйтип, олар және жети күн қуўаныш пенен байрам қылды. 24Яҳуда патшасы Хизкия жыйналғанларға мың буға ҳәм жети мың қой-ешки берди. Ал ҳәмелдарлар болса, мың буға ҳәм он мың қой-ешки берди. Жүдә көп руўханийлер пәклеў рәсиминен өткен еди. 25Пүткил Яҳуда халқы, руўханийлер, лебийлилер, Израилдан келгенлер, Израилдан келип Яҳудада жасап атырған жат жерлилер қуўанышқа толған еди. 26Ерусалимде уллы қуўаныш ҳүким сүрди. Себеби Израилдың патшасы Даўыт улы Сулайманның дәўиринен бери Ерусалимде бундай байрам болып көрмеген еди. 27Руўханийлер менен лебийлилер халыққа пәтия берди. Қудай оларды еситти, олардың дуўалары көклерге, Оның мухаддес мәканына жетип барды.

 

31

 

Хизкия киргизген өзгерислер

 

1Байрам толық тамам болғаннан кейин, оған қатнасқан израиллылардың барлығы Яҳуда қалаларына барып, кийели тасларды майдалап, кийели ағашларын кесип таслады. Олар пүткил Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлериндеги сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын бирде биреўин қалдырмай бузып таслады. Соңынан израиллылар өз қалаларына, өз ийеликлерине қайтты.
2Хизкия руўханийлер менен лебийлилерди атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, топарларға бөлди. Олардың айырымларына жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын усыныў, айырымларына Жаратқан Ийениң мәканының дәрўазаларында хызмет етиў, айырымларына тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў қосықларын айтыў тапсырылды. 3Патша Жаратқан Ийениң нызамына муўапық, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийениң Нызамында белгиленген байрамларда усынылатуғын жандырылатуғын қурбанлықлар ушын өз мал-мүлкинен маллар ажыратты. 4Руўханийлер менен лебийлилердиң өзлерин Жаратқан Ийениң Нызамын орынлаўға бағышлаўы ушын, патша Ерусалимде жасайтуғын халыққа руўханийлер менен лебийлилерге тийисли болған пайларын берип турыўды буйырды. 5Бул пәрман жәрияланыўдан-ақ, израиллылар бийдайдың, жаңа шараптың, зәйтүн майының, палдың, жерден өнген барлық өнимлердиң биринши зүрәәтинен сақыйлық пенен алып келе баслады. Сондай-ақ қолларында бар болғаннан мол етип үсир берди. 6Яҳуда қалаларында жасап атырған израиллылар менен яҳудалылар да өз сүриў ҳәм падаларынан үсир берди, және Қудайы Жаратқан Ийеге арналған мухаддес затларынан да үсир берип, оларды бир жерге жыйнап үйин-үйин қылды. 7Олар бул исти үшинши айда баслап, жетинши айда тамамлады. 8Патша Хизкия ҳәм оның ҳәмелдарлары келип, үйинлерди көргенде, Жаратқан Ийеге алғыс айтып, Оның халқы Израилға пәтиясын берди. 9Хизкия руўханийлер менен лебийлилерден бул үйинлер ҳаққында сорағанда, 10Садоқ тийресинен болған бас руўханий Азария жуўап берип: «Халық Жаратқан Ийениң Ибадатханасына садақаларын алып келе баслағаннан бери, тамағымыз тоқ, артып та қалмақта. Жаратқан Ийе Өз халқын жарылқағанлықтан, аўысығының өзи ағыл-тегил», – деди. 11Сонда Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасына зат сақланатуғын бөлмелер қурыўды буйырды ҳәм олар қурылды. 12Бул бөлмелерге барлық садақалар, үсирлер, бағышланған затлар садықлық пенен апарып қойылды. Бул ислердиң басында лебийли Кенания турды, ал иниси Шимей оның орынбасары болды. 13Патша Хизкия ҳәм Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшысы Азарияның тапсырмасы бойынша, Ехиел, Азазия, Нахат, Асаҳел, Еримот, Йозабад, Элиел, Исмахия, Махат ҳәм Беная Кенания менен оның иниси Шимейдиң қол астында бақлаўшылар хызметин атқара баслады. 14Ибадатхананың Шығыс дәрўазасының қараўылы лебийли Имна улы Қоре Қудайға ықтыярлы түрде берилген қурбанлықларға жуўапкер болып, ол Жаратқан Ийеге аталған сыйларды ҳәм бағышлап, арнаўлы түрде берилген сыйларды бөлип бериў ўазыйпасын алып барды. 15Эден, Минямин, Ешуа, Шемая, Амария ҳәм Шекания руўханийлер жасап атырған қалаларда руўханийлерге тийисли үлеслерин топарлары бойынша, үлкен-кишисине бирдей етип бөлип бериўде Қореге жәрдемлести. 16Буннан тысқары, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирип, өзиниң ўазыйпасы ҳәм топарына сай ондағы күнделикли жумысларды атқаратуғын үш жас ҳәм оннан жоқары болған, шежиреге киргизилген еркеклерге, 17сондай-ақ, әўладлары бойынша шежиреге киргизилген руўханийлерге, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилерге ўазыйпалары менен топарларына сай үлес бөлип берди. 18Және де, руўханийлер менен лебийлилердиң шежиреге киргизилген нәрестелерине, ҳаялларына ҳәм ул-қызларына да үлес тийди. Себеби олар өзлерин садықлық пенен Қудайға бағышлаған еди. 19Қалаларының әтирапындағы аўылларда жасап атырған Харон урпақларынан болған руўханийлерге келсек, олардан болған барлық еркеклерге ҳәм лебийлилердиң шежиресине кирген ҳәр бир адамға тийисли үлесин бериў ушын атлары аталып, айырым адамлар тайынланды.
20Хизкия пүткил Яҳуда бойлап усылай ис алып барды. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде ийгиликли, туўры ҳәм ҳадал ислерди иследи. 21Ол Қудайдың Ибадатханасындағы хызметте ҳәм Нызам менен буйрықларға әмел қылыў ислеринде нелер ислеген болса да, Қудайына бойсынып, шын жүректен ҳәрекет етти. Нәтийжеде ол табысқа еристи.

 

32

 

Санхерибтиң абай етиўи

 

1Хизкияның садықлық пенен ислеген усындай ислеринен кейин, Ассирия патшасы Санхериб келип, Яҳудаға ҳүжим жасады. Ол қорғанлы қалаларын қамал қылып, басып алыўды ойлады. 2Санхерибтиң Ерусалимге келип, урыс ашпақшы болғанын көрген Хизкия, 3ўәзирлери ҳәм әскербасылары менен қала сыртындағы суў көзлерин питеп таслаўды кеңести. Олар да патшаны қоллады. 4Көп халық жыйналып: «Ассирия патшалары не ушын мол суўға ийе болар екен?» – деп, ел бойлап ағып турған барлық суў көзлерин питеп, дәрьяларды бөгеп таслады. 5Хизкия күшин топлап, дийўаллардың жығылған жерлерин қайта тиклеп, үстине минаралар салды. Ол дийўал сыртынан тағы бир дийўал өрдирип, Даўыттың қаласындағы Миллоны беккемледи. Және де, ол көплеген қурал-жарақлар ҳәм қалқанлар ислетти. 6Патша халыққа әскербасылар тайынлап, оларды қала дәрўазасы алдындағы майданға жыйнады ҳәм былай деп жигерлендирди: 7«Күшли ҳәм мәрт болыңлар! Ассирия патшасы ҳәм оның сансыз ордасы себепли қорқып, руўхларыңыз түспесин! Себеби бизлер менен Болған, олар менен болғаннан күшлирек! 8Олар тәрепте адам күши болса, бизлер тәрепте бизлерге жәрдем беретуғын ҳәм бизлер ушын урысатуғын Қудайымыз Жаратқан Ийе бар». Халық Яҳуда патшасы Хизкияның сөзлеринен жигерленди.
9Буннан кейин, Ассирия патшасы Санхериб пүткил ләшкерлери менен Лахиш қаласын қамал қылып турған ўақытта, Яҳуда патшасы Хизкияға ҳәм Ерусалимдеги пүткил Яҳуда халқына мына хабарды жеткериў ушын өз хызметкерлерин Ерусалимге жиберди: 10«Ассирия патшасы Санхериб былай дейди: „Сизлер неңизге исенип, қамал ишинде қалған Ерусалимде отырсыз? 11Хизкия сизлерди: Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерди Ассирия патшасының қолынан қутқарады, – деп алдап, ашлық пенен шөлден набыт қылмақшы. 12Қудайға арналған сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын қыйратып, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек бир қурбанлық орында Қудайға сыйынып, тек оның үстинде қурбанлықларды түтетип жандырыңлар, – деген усы Хизкия емес пе? 13Расында да, мен ҳәм мениң ата-бабаларымның басқа еллердиң халықларына не ислегенимизди билмейсизлер ме? Сол жердеги халықлардың қудайлары өз жерин мениң қолымнан қутқара алды ма? 14Ата-бабаларым толық қырып таслаған усы халықлардың қудайларының қайсы бири өз халқын мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, қалайынша сизлердиң Қудайыңыз сизлерди мениң қолымнан қутқара алады? 15Хизкияның өзлериңизди алдап, жолдан урыўына жол қоймаңлар! Оған исенбеңлер! Себеби ҳеш бир халықтың яки патшалықтың қудайы өз халқын мениң қолымнан ямаса ата-бабаларымның қолынан қутқара алмаған. Енди сизлерди мениң қолымнан қутқара алатуғындай, Қудайыңыз ким болыпты?!“»
16Санхерибтиң хызметкерлери Қудай Ийеге ҳәм Оның қулы Хизкияға қарсы тағы бир талай сөзлер айтты. 17Буның үстине, Санхериб Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге тил тийгизип хат жазып, Оған қарсы мына сөзлерди айтыпты: «Басқа жерлердиң қудайларының өз халқын меннен қутқара алмағанындай, Хизкияның Қудайы да Өз халқын мениң қолымнан қутқара алмайды». 18Хатты алып келгенлер бул сөзлерди дийўал үстиндеги Ерусалим турғынларына қарай еврей тилинде бақырып айтты. Олар халықты қорқытып, ҳүрейин ушырып, қаланы тезирек қолға киргизбекши болды. 19Олар Ерусалимниң Қудайы ҳаққында жер бетиндеги басқа халықлардың адам қолы менен жаратылған қудайы ҳаққында айтқандай қылып сөйледи.

 

Жаратқан Ийениң Хизкияны қутқарыўы

 

20Патша Хизкия ҳәм Амос улы пайғамбар Ийшая усы ушын дуўа етип, көклерге қарап жалбарынды. 21Сонда Жаратқан Ийе Өз периштесин жиберди. Периште Ассирия патшасының ордасындағы барлық батыр жаўынгерлерди, көсемлерди ҳәм әскербасыларды қырып таслады. Санхериб масқара болып елине қайтты. Бир күни ол өз қудайының бутханасына киргенде, оны өз уллары қылыш пенен өлтирди. 22Солай етип, Жаратқан Ийе Хизкияны ҳәм Ерусалим турғынларын Ассирия патшасы Санхерибтиң ҳәм басқа да душпанларының қолынан қутқарды. Оларды ҳәр тәреплеме қорғап-сақлады. 23Көплер Ерусалимге келип, Жаратқан Ийеге сыйлар, Яҳуда патшасы Хизкияға қымбатбаҳа затлар алып келди. Сол ўақыттан баслап, Хизкия барлық халықлар арасында жоқары ҳүрметке еристи.

 

Хизкияның қәстелениўи, шыпаланыўы ҳәм өлиўи

 

24Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты ҳәм Жаратқан Ийеге дуўа етти. Ол Хизкияны еситип, оған қәстелигинен дүзелетуғын белги берди. 25Бирақ Хизкия өзине көрсетилген жақсылыққа шүкирлик етпей, менменсип кетти. Сол себепли Жаратқан Ийе оған, Яҳудаға ҳәм Ерусалимге ғәзепленди. 26Сонда Хизкияның өзи де, Ерусалим турғынлары да өзлериниң менменлиги ушын тәўбе қылды. Сонлықтан Жаратқан Ийениң оларға Хизкияның көзиниң тирисинде ғәзебин шашпады.
27Хизкия жүдә бай ҳәм абырайлы болды. Ол өзиниң гүмис ҳәм алтыны, қымбатбаҳа таслары, хош ийисли затлары, қалқанлары ҳәм ҳәр түрли қымбатбаҳа затлары ушын қазналар салдырды. 28Және де, ол дән өнимлери, жаңа шарап ҳәм зәйтүн майы сақланатуғын орынлар, сондай-ақ ири ҳәм майда маллар ушын қоралар қурдырды. 29Қудай мол байлық инам еткенлиги себепли, патша өзине қалалар қурдырды ҳәм көп санлы падалар менен сүриўлерге ийе болды.
30Гихон булағының жоқарғы ағысын питеп таслап, суўын жер асты арқалы Даўыттың қаласының батысына ағызған да усы Хизкия еди. Ол ислеген ҳәр бир исинде табысқа еристи. 31Бирақ, Бабилон ҳүкимдарлары жиберген елшилер елде болған белги ҳаққында сорастырыў ушын келгенде, Қудай сынаў ҳәм жүрегинде не барын билиў ушын, Хизкияны өз еркине қойды.
32Хизкияның басқа ислери, қылған жақсылықлары Яҳуда ҳәм Израил патшаларының китабындағы Амос улы Ийшая пайғамбардың аянларында баян етилген. 33Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыт әўладларының қәбирлериниң жоқарысына қойылды. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы оған ҳүрмет көрсетти. Оның орнына улы Менашше патша болды.

 

33

 

Яҳуда патшасы Менашше

 

1Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 3Әкеси Хизкия қыйратып таслаған сыйыныў орынларын қайта тикледи, Баалларға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашларын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти. 4Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Атым мәңгиге Ерусалимде болады», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды. 5Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды. 6Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, дуўаханлық қылды, әрўақ шақырыўшыларға ҳәм сыйқыршыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди көп ислеп, Оны ғәзеплендирди. 7Менашше өзи ислеткен ойма бутты Қудайдың Ибадатханасына қойды. Қудай Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман. 8Егер олар Муўса арқалы берген барлық Нызам, қағыйда ҳәм пәрманларыма байланыслы буйрықларымды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына белгилеп берген жерден қайтадан қуўып шығармайман», – деген еди. 9Бирақ Менашше Яҳуда халқын ҳәм Ерусалим турғынларын жолдан азғырғаны соншелли, Израил халқы өзиниң алдынан Жаратқан Ийе жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10Жаратқан Ийе Менашшеге ҳәм оның халқына ескертсе де, олар қулақ салмады. 11Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға Ассирия патшасының әскербасыларын жиберди. Олар Менашшени тутқынға алды, мурнына ҳалқа өткерип, қола кисен менен кисенледи ҳәм оны Бабилонға алып кетти. 12Ол азап шегип атырып, Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм ата-бабаларының Қудайы алдында шын жүректен бас ийди. 13Ол дуўа етти, Жаратқан Ийе де оның дуўасын қабыл етип, жалбарыныўын еситти. Сөйтип, оны және Ерусалимге, өз тахтына қайтарды. Сонда Менашше Жаратқан Ийениң ҳақыйқаттан да Қудай екенин билди.
14Буннан кейин, Менашше Даўыттың қаласының сыртқы дийўалын бурынғыдан да бийик етип қайта қурды. Бул дийўал ойпатлықтағы Гихон булағының батысынан Офел төбесин айнала өтип, Балық дәрўазасының киреберисине шекем созылды. Патша Яҳуданың қорғанлы қалаларының ҳәммесине әскербасылар тайынлады. 15Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан басқа жерлердиң қудайларының мүсинлерин, өзи қойдырған бутларды, Ибадатхана жайласқан таўдағы ҳәм Ерусалимдеги барлық қурбанлық орынларды алдырып, оларды қаладан шығарып таслады. 16Ол Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тиклеп, онда татыўлық ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын усынды ҳәм Яҳуда халқына Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге хызмет етиўди буйырды. 17Деген менен, халық сыйыныў орынларында қурбанлық бериўин даўам етти. Бирақ олар берген қурбанлықларын Қудайы Жаратқан Ийеге арнайтуғын еди. 18Менашшениң басқа ислери, Қудайына арналған дуўасы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атынан оған айтылған ўәлийдиң сөзлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 19Оның дуўасы, Қудайдың оған реҳим етиўи, барлық гүналары, опасызлығы, сыйыныў орынларына қурғызған бутханаларының орынлары, кийели ағашлары, табынған бутлары ҳаққында барлығы Көзи ашықлардың жылнама китабында жазылған. 20Менашше өлип, ата-бабаларына қосылғанда, өз сарайына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.

 

Яҳуда патшасы Амон

 

21Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. 22Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Ол әкеси соқтырған барлық бутларға қурбанлық берип, оларға хызмет етти. 23Амон әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийеге қайта жүз бурмады, керисинше, гүна ислеўди арттыра берди. 24Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди. 25Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Йосияны патша етип қойды.

 

34

 

Яҳуда патшасы Йосия

 

1Йосия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи ҳәм оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.

 

Йосия киргизген жаңалықлар

 

3Йосия өз патшалығының сегизинши жылында, еле жас болса да, бабасы Даўыттың Қудайын излей баслады. Ал өз патшалығының он екинши жылы Яҳуда менен Ерусалимди сыйыныў орынларынан, кийели ағашлардан, ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлеринен тазалай баслады. 4Оның басшылығында Баалларға арналған қурбанлық орынлар бузып тасланды, олардың жанындағы түтетки түтетилетуғын орынлар қыйратылды, кийели ағашлар менен ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлери майдаланып, усы бутларға қурбанлық бергенлердиң қәбирлери үстине шашылды. 5Йосия бутқа хызмет ететуғын руўханийлердиң сүйеклерин өзлериниң қурбанлық орынларының үстинде отқа жақты. Усылайынша ол Яҳуда менен Ерусалимди пәкледи. 6Кейин Йосия Менашше, Эфрайым, Шимон урыўларының қалаларынан Нафталий жерлерине дейин ҳәм олардың қыйрап қалған аймақларындағы 7қурбанлық орынларды, кийели ағашларды кести ҳәм бутларды майдалап езди. Ол пүткил Израил ели бойлап түтетки түтетилетуғын орынларды қыйратып, соңынан Ерусалимге қайтып келди.

 

Нызам китабының табылыўы

 

8Өз патшалығының он сегизинши жылында, елди ҳәм Ибадатхананы пәклегеннен соң, патша Йосия Асалия улы Шафанды, қала ҳәкими Маасеяны ҳәм жылнамашы Еҳоахаз улы Йоахты Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта тиклеў ушын жиберди. 9Олар бас руўханий Хилкияға барып, Қудайдың Ибадатханасына алып келинген барлық гүмислерди оған берди. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер болған лебийлилер бул гүмислерди Менашше ҳәм Эфрайым халқынан, басқа барлық израиллылардан, барлық Яҳуда ҳәм Бенямин халқынан, және Ерусалим турғынларынан жыйнаған еди. 10Олар гүмислерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берди. Бақлаўшылар буны Ибадатхананың бузылған жерлерин дүзетип, қайта тиклеп атырған жумысшыларға төледи. 11Қаржының бир бөлеги усталар менен қурылысшыларға да берилип, олар сол гүмислерге Яҳуда патшалары қараўсыз қалдырған имаратларды оңлаў ушын, жонылған таслар ҳәм бағаналар менен арқалық ағашлар сатып алды. 12Бул адамлар жумысын ҳадал иследи. Олардың үстинен Мерарий урпағынан лебийли Яхат пенен Обадияны ҳәм Қоҳат урпағынан лебийли Зехария менен Мешулламды бақлаўшы етип қойды. Саз әсбапларын жақсы шертетуғын барлық лебийлилер 13жүк тасыўшыларды ҳәм ҳәр бир имараттағы ҳәмме жумысшыларды бақлап жүрди. Лебийлилерден айырымлары хаткерлер, қадағалаўшылар ҳәм дәрўаза қараўыллары хызметин атқарды.
14Жаратқан Ийениң Ибадатханасына әкелинген гүмисти алып шығып баратырып, руўханий Хилкия Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген Нызам китабын таўып алды. 15Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди. 16Шафан китапты патшаға алып келип, оған: «Қулларыңыз өзлерине тапсырылғанның ҳәммесин ислеп атыр. 17Олар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бар гүмислерди алып, бақлаўшылар менен жумысшыларға берди», – деп хабар берди. 18Соңынан хаткер Шафан: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға даўыслап оқып берди. 19Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты. 20Ол Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Миха улы Абдонға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды: 21«Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын да, Израил ҳәм Яҳуда халқының қалғанлары ушын да, Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Жаратқан Ийениң үстимизге жаўдыратуғын ғәзеби уллы, себеби ата-бабаларымыз Жаратқан Ийениң сөзине әмел қылмады. Олар бул китапта жазылғанларға сай ис тутпады».
22Руўханий Хилкия менен патша жиберген адамлар барып, Хасраның ақлығы Тақҳаттың улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң екинши бөлиминде жасайтуғын еди. 23Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар: 24Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының алдында оқылған китапта жазылған барлық нәлетлерди, яғный апатшылықларды усы жерге ҳәм ондағы халыққа жаўдырмақшыман. 25Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге ғәзебим төгиледи ҳәм ол тоқтамайды“.
26Жаратқан Ийениң еркин билиў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сен еситкен сөзлер туўралы былай дейди: 27„Бул жер ҳәм ондағы халыққа қарсы айтқан сөзлеримди еситкениңде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен Маған бойсынып, кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. Бул Жаратқан Ийениң сөзлери. 28Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге ҳәм бул жерде жасайтуғынларға жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“».
Олар бул хабарды патшаға жеткизди. 29Сонда патша адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын жыйнады. 30Ол Яҳуда халқын, Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, лебийлилерди ҳәм үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Кейин патша оларға Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин даўыслап оқып берди. 31Патша өзиниң арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын ҳәм қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, усы китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. 32Ол Ерусалимде ҳәм Бенямин жеринде жасайтуғын адамларға усы антты тастыйықлаўды буйырды. Ерусалим турғынлары Қудайдың, ата-бабаларының Қудайының келисимине садық қалды.
33Йосия Израилға қараслы барлық аймақлардағы жеркенишли бутларды алып таслап, Израилда жасайтуғынлардың ҳәммесине өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныўды буйырды. Йосияның көзиниң тирисинде халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң жолынан таймады.

 

35

 

Йосияның Қутқарылыў байрамын өткериўи

 

1Йосия Ерусалимде Жаратқан Ийениң ҳүрметине Қутқарылыў байрамын нышанлады. Биринши айдың он төртинши күни қурбанлық қозылары шалынды. 2Йосия руўханийлерди өз хызметлерине қойып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы хызметин орынлаў ушын, оларды жигерлендирди. 3Ол пүткил Израил халқына тәлим берип келген, Жаратқан Ийеге бағышланған лебийлилерге былай деди: «Мухаддес сандықты Израил патшасы Даўыттың улы Сулайман қурдырған Ибадатханаға қойыңлар. Оны артық ийинлериңизде көтерип жүриўдиң ҳәжети жоқ. Енди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқы Израилға хызмет етиңлер! 4Израил патшасы Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпелерине муўапық, әўладыңыз ҳәм топарларыңыз бойынша хызметке таярланыңлар. 5Мухаддес орында туўысқанларыңыз болған халықтың ҳәр бир әўладына лебийлилердиң бир тобы хызмет етиўге таяр турсын. 6Қурбанлық қозысын сойып, өзлериңизди пәклеңлер ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, қозыларды туўысқанларыңыз ушын тайынлаңлар».
7Йосия сол жердеги халыққа Қутқарылыў қурбанлығы ушын, майда малдан отыз мың бас тоқлы ҳәм ылақ, ири малдан үш мың бас буға сыйлады. Булардың ҳәммеси патшаның жеке мүлкинен берилген еди. 8Патшаның ўәзирлери де ықтыярлы түрде халыққа, руўханийлерге ҳәм лебийлилерге қурбанлықлар сыйлады. Қудайдың Ибадатханасының басқарыўшылары Хилкия, Зехария ҳәм Ехиел де байрамға арнап, руўханийлерге Қутқарылыў қурбанлығы ушын еки мың алты жүз майда мал ҳәм үш жүз ири мал берди. 9Сондай-ақ, Кенания ҳәм оның туўысқанлары Шемая менен Нетанел, және де лебийлилердиң көсемлери Хашабия, Еиел ҳәм Йозабад байрамда Қутқарылыў қурбанлығына шалыў ушын лебийлилерге бес мың бас майда мал ҳәм бес жүз бас ири мал берди.
10Хызмет ушын ҳәммеси таяр болғанда, патша буйырғанындай, руўханийлер өз орынларында, ал лебийлилер өз топарлары менен таяр турды. 11Қурбанлық қозылары сойылып, руўханийлер өзлерине берилген қанды қурбанлық орынға септи. Лебийлилер малларды териден айырды. 12Олар Муўсаның китабында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге усыныўы ушын, қурбанлыққа жандырылатуғын малларды халықтың ҳәр бир әўладына бөлип берди. Ири малларды да солай иследи. 13Қағыйда бойынша, Қутқарылыў байрамының қурбанлығын отта қуўырды, мухаддес қурбанлықларды ҳәр түрли қазанларда асып, пүткил халыққа асығыс үлестирди. 14Кейин лебийлилер өзлери ҳәм руўханийлер ушын аўқат таярлады. Себеби Харонның урпақларынан болған руўханийлер қас қарайғанша жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм малдың майын өртеў менен бәнт еди. Сонлықтан лебийлилер өзлери ҳәм Харонның урпақларынан болған руўханийлер ушын аўқатты кейин таярлады.
15Асаф урпағынан болған қосықшылар Даўыт, Асаф, Ҳеман ҳәм патшаның ўәлийи Едутунның буйрығы бойынша белгиленген орынларында турды. Дәрўазалардағы дәрўаза қараўылларына өз орынларын таслап кетиўдиң ҳәжети болмады, себеби олардың туўысқанлары болған лебийлилер олар ушын ҳәммесин таяр қылды. 16Солай етип, сол күни патша Йосияның буйрығына муўапық, Қутқарылыў байрамын өткериў ҳәм Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жандырылатуғын қурбанлықлар бериўге байланыслы Жаратқан Ийеге арналған ҳәмме хызметлер орынланды. 17Сол күни сол жерде болған барлық израиллылар Қутқарылыў байрамын нышанлады ҳәм оған қоса, жети күн бойы Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. 18Пайғамбар Самуелдиң күнлеринен бери, Израилда Қутқарылыў байрамы бундай етип нышанланбаған еди. Израил патшаларының ҳеш бири де Йосияның нышанлағаны сыяқлы, руўханийлер, лебийлилер, пүткил Яҳуда халқы, сол жердеги израиллылар ҳәм Ерусалим турғынлары менен бирге Қутқарылыў байрамын байрамламаған еди. 19Усы Қутқарылыў байрамы Йосияның патшалығының он сегизинши жылында болып өтти.

 

Йосияның өлими

 

20Бул ўақыялардан соң, Йосия Ибадатхананы тәртипке келтирип болғанда, Мысыр патшасы Нехо урысыў ушын Евфрат дәрьясы бойындағы Каркемиш қаласына келди. Патша Йосия да Нехоға қарсы жүрис қылды. 21Бирақ Нехо Йосияға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: «Ҳәй, Яҳуда патшасы! Мениң менен не жумысың бар? Бүгин саған қарсы емес, ал өзим менен урысатуғын патшалыққа қарсы урысқа шықтым. Қудай маған асығыўды буйырды, Ол мен тәрепте. Сонлықтан Оған қарсы шықпа, болмаса набыт боласаң».
22Бирақ Йосия Нехо менен урысыўдан ўаз кешпей, кийимлерин өзгертти. Қудайдың Нехо арқалы айтқан сөзлерине де қулақ салмай, Мегиддо ойпатлығында Нехо менен урысқа киристи. 23Сол жерде садақшылардың оғы патша Йосияға тийип, ол хызметшилерине: «Мени алып кетиңлер, мен аўыр жарақатландым», – деди. 24Хызметшилери Йосияны арбасынан алды да, басқа арбаға мингизип, Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. Оны ата-бабаларының қәбирине жерледи. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы ол ушын жоқлаў айтып жылады. 25Еремия пайғамбар Йосияға арнап жоқлаў жырын шығарды. Усы күнге дейин қосықшылар Йосияны жоқлаў жырлары арқалы еске алады. Бул жоқлаўлар Израилда дәстүрге айланып, олар Жоқлаўлар китабына киргизилген.
26Йосияның басқа ислери, Жаратқан Ийениң Нызамында жазылғанларға сай алып барған ийгиликли ислери, 27ҳәмме ўақыялар басынан аяғына шекем Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.

 

36

 

Яҳуда патшасы Еҳоахаз

 

1Яҳуда халқы әкеси Йосияның орнына улы Еҳоахазды Ерусалимде патша етип қойды. 2Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. 3Мысыр патшасы Нехо оны Ерусалимде тахттан түсирип, Яҳуда елине жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды. 4Мысыр патшасы Нехо Яҳуда ҳәм Ерусалим тахтына Еҳоахаздың әжағасы Элякимди отырғызды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды болса, Мысырға алып кетти.

 

Яҳуда патшасы Еҳояким

 

5Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 6Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякимге ҳүжим жасады ҳәм оны қола кисенлер менен кисенлеп, Бабилонға алып кетти. 7Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бир қанша буйымларды алып кетип, Бабилондағы өзиниң бутханасына қойды.
8Еҳоякимниң басқа ислери, ол ислеген жеркенишли ислер ҳәм оның басына түскен барлық ислер ҳаққында Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Оның орнына улы Еҳоякин патша болды.

 

Яҳуда патшасы Еҳоякин

 

9Еҳоякин сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай он күн патшалық етти. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. 10Ерте бәҳәрде патша Набуходоносор адам жиберип, оны Бабилонға алдыртты. Келгенлер оның менен бирге Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қымбатбаҳа буйымларды да алып кетти. Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Седекияны Яҳуда ҳәм Ерусалимге патша етип қойды.

 

Яҳуда патшасы Седекия

 

11Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. 12Седекия да Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Жаратқан Ийениң сөзин хабарлаған Еремия пайғамбар алдында бойсыныўшылық билдирмеди.

 

Ерусалимниң қулаўы

 

13Седекия Қудайдың аты менен өзине ант иштирген патша Набуходоносорға қарсы бас көтерди. Ол қайсарлық пенен қасарысып, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурмады. 14Буның үстине, руўханийлердиң ҳәм халықтың барлық басшылары да барған сайын басқа халықлардың жеркенишли әдетлерине еликлеп, опасызлық қылды ҳәм Жаратқан Ийениң мухаддес қылған Ерусалимдеги Ибадатханасын да ҳарамлады.
15Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқы ҳәм Өз мәканына жаны ашып, Өз хабаршылары арқалы оларға қайта-қайта ескертти. 16Бирақ олар Қудайдың хабаршыларын мазақ қылып, Оның сөзлерин писент етпеди ҳәм Оның пайғамбарларының үстинен күлди. Ақырында, Жаратқан Ийениң Өз халқына ғәзепленгени соншелли, енди қутқарылыўдың шарасы жоқ еди. 17Қудай калдейлердиң патшасын оларға қарсы атландырды. Қалдейлердиң патшасы олардың жасларын Мухаддес орында қылыштан өткерди, жасты да, қыз баланы да, ғаррыны да, ақ шашлыны да аямады. Жаратқан Ийе олардың ҳәммесин Набуходоносордың қолына берди. 18Ол Қудайдың Ибадатханасындағы үлкен-киши буйымлардың ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазналарын, патшаның ҳәм оның ўәзирлериниң қазналарын Бабилонға алып кетти. 19Ол Қудайдың Ибадатханасына от қойды, Ерусалимниң дийўалын қулатты, ондағы барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберип, ондағы қымбатбаҳа нәрселердиң ҳәммесин жоқ қылды. 20Ал қылыштан аман қалғанларды болса, Бабилонға сүргин қылды. Олар Персия патшалығы күшейгенге шекем, Бабилон патшасының ҳәм оның улларының қуллары болды. 21Солай етип, Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан мына сөзлери орынланды: «Жер жетпис жыл бос қалып, Шаббат дем алысларын өтемегенше дем алады».

 

Кирдиң сүргинде болғанлардың қайтыўына рухсат бериўи

 

22Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында[12] Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды: 23«Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адам Ерусалимге барсын. Қудайы Жаратқан Ийе оған яр болсын!“»

 

 

 

Эзра

Эзра китабы

 

 

1

 

Кирдиң сүргинде болғанлардың қайтыўына рухсат бериўи

 

1Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында[1] Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:

 

2«Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды. 3Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адамға Қудайы яр болсын! Енди олар Яҳуданың Ерусалим қаласына барып, Ерусалимдеги Қудайдың, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайта қурсын. 4Ҳәзир тири қалған яҳудийлер жасап атырған жерлердиң турғынлары оларды гүмис, алтын, буйым ҳәм маллар менен тәмийинлеў менен бирге, Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасы ушын ықтыярлы садақалар берсин“».

 

5Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының урыўбасылары, руўханийлер, лебийлилер ҳәм Қудай тәрепинен руўхландырылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыў ушын кетиўге таярланды. 6Ҳәмме қоңсылары ықтыярлы садақаларға қоса, оларға гүмис буйымлар, алтын, мал-мүликлер ҳәм қымбатбаҳа нәрселер берип, жәрдем қолларын созды. 7Патша Кирдиң өзи Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған затларды, яғный Набуходоносордың Ерусалимнен алып келип, өз қудайының үйине қойған затларын ол жерден шығартты. 8Персия патшасы Кир оларды қазнашы Митредатқа әкелдирип, Яҳуда ҳәкими Шешбассарға санап тапсыртты. 9Олардың есабы мынадай еди:

 

 

Алтын ыдыс – 30 дана
Гүмис ыдыс – 1000 дана
Пышақ – 29 дана
10Алтын тостаған – 30 дана
Жуп гүмис тостаған – 410 дана
Басқа буйымлар – 1000 дана.

 

 

11Алтын ҳәм гүмис буйымлардың барлығы 5400 дана еди. Сүргин етилгенлер Бабилоннан Ерусалимге қайтарылғанда, Шешбассар бул ыдысларды өзи менен бирге алып қайтты.

 

2

 

Сүргиннен қайтып келгенлердиң дизими

 

1Бабилон патшасы Набуходоносордың Бабилонға тутқын етип алып кеткен адамлары сүргин етилип, тутқында болған ўәлаятынан Ерусалимге ҳәм Яҳудадағы өз қалаларына қайтып келди. 2Олар Зеруббабел, Ешуа, Нехемия, Серая, Реелая, Мордохай, Билшан, Миспар, Бигўай, Рехум ҳәм Баананың басшылығында қайтып келди.
Сүргиннен қайтқан Израил ерлериниң дизими төмендегише:

 

3Парош урпақларынан – 2172 адам;
4Шефатия урпақларынан – 372 адам;
5Арах урпақларынан – 775 адам;
6Пахат-Моаб, яғный Ешуа ҳәм Йоаб урпақларынан – 2812 адам;
7Элам урпақларынан – 1254 адам;
8Затту урпақларынан – 945 адам;
9Заккай урпақларынан – 760 адам;
10Баний урпақларынан – 642 адам;
11Бебай урпақларынан – 623 адам;
12Азгад урпақларынан – 1222 адам;
13Адониқам урпақларынан – 666 адам;
14Бигўай урпақларынан – 2056 адам;
15Адин урпақларынан – 454 адам;
16Атер, яғный Хизкия урпақларынан – 98 адам;
17Бетсай урпақларынан – 323 адам;
18Йора урпақларынан – 112 адам;
19Хашум урпақларынан – 223 адам;
20Гиббар урпақларынан – 95 адам;
21Бейтлеҳемлилерден – 123 адам;
22Нетофалылардан – 56 адам;
23Анатотлылардан – 128 адам;
24Азмаўетлилерден – 42 адам;
25Кирят-Яримлилерден, кефиралылардан ҳәм бееротлылардан – 743 адам;
26Рамалылар менен гебалылардан – 621 адам;
27Михмаслылардан – 122 адам;
28Бейт-Эллилерден ҳәм айлылардан – 223 адам;
29Неболылардан – 52 адам;
30Магбишлилерден – 156 адам;
31Басқа эламлылардан – 1254 адам;
32Харимлилерден – 320 адам;
33Лодлылардан, хадидлилерден ҳәм онолылардан – 725 адам;
34Ерихолылардан – 345 адам;
35Сеналылардан – 3630 адам.
36Руўханийлер:
Ешуа нәсилинен болған Едая урпақларынан – 973 адам;
37Иммер урпақларынан – 1052 адам;
38Пашхур урпақларынан – 1247 адам;
39Харим урпақларынан – 1017 адам.

 

40Лебийлилер:

 

Ҳодаўия нәсилинен тараған Ешуа ҳәм Қадмиел урпақларынан – 74 адам.

 

41Қосықшылар: Асаф урпақларынан – 128 адам.
42Дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Атер, Талмон, Аққуб, Хатита ҳәм Шобай урпақларынан – 139 адам.
43Ибадатхана хызметшилери:

 

Сиха урпақларынан, Хасуфа урпақларынан, Таббаот урпақларынан,
44Керос урпақларынан, Сиаҳа урпақларынан, Падон урпақларынан,
45Лебана урпақларынан, Хагаба урпақларынан, Аққуб урпақларынан,
46Хагаб урпақларынан, Шалмай урпақларынан, Ханан урпақларынан,
47Гиддел урпақларынан, Гахар урпақларынан, Реая урпақларынан,
48Ресин урпақларынан, Неқода урпақларынан, Газзам урпақларынан,
49Узза урпақларынан, Пасеах урпақларынан, Бесай урпақларынан,
50Асна урпақларынан, Меуним урпақларынан, Нефусим урпақларынан,
51Бақбуқ урпақларынан, Хақуфа урпақларынан, Хархур урпақларынан,
52Баслут урпақларынан, Мехида урпақларынан, Харша урпақларынан,
53Барқос урпақларынан, Сисера урпақларынан, Темах урпақларынан,
54Незиах ҳәм Хатифа урпақларынан еди.

 

55Сулайманның хызметшилериниң урпақлары:

 

Сотай урпақларынан, Соферет урпақларынан, Перуда урпақларынан,
56Яла урпақларынан, Дарқон урпақларынан, Гиддел урпақларынан,
57Шефатия урпақларынан, Хаттил урпақларынан, Покерет-Ҳассебайым урпақларынан ҳәм Амий урпақларынан еди.

 

58Ибадатхана хызметшилери менен Сулайманның хызметшилериниң урпақларынан барлығы болып 392 адам еди.
59Тел-Мелах, Тел-Харша, Керуб, Аддан ҳәм Иммер қалаларынан көшип келген, бирақ өзлериниң шығысын ҳәм Израилдың қайсы урыўына тийисли екенин дәлиллей алмағанлар мыналар еди:
60Делая, Тобия ҳәм Неқода урпақларынан – 652 адам.
61Сондай-ақ руўханийлер нәсилинен болған Хабайя урпақлары, Ҳаққос урпақлары ҳәм гиладлы Барзиллайдың қызларының бирине үйленип, қәйин атасының аты менен аталған Барзиллай урпақлары. 62Булар жазба шежиреден өз шығысын изледи, бирақ таба алмағанлықтан қаны таза емес деп, руўханийлик хызметинен шетлетилди. 63Ҳәким оларға Урим ҳәм Туммимнен пайдалана алатуғын руўханий шықпағанша, тек руўханийлерге берилетуғын ең мухаддес тағамнан жемеўди буйырды.
64Сүргиннен қайтқан пүткил жәмийет ҳәммеси болып 42 360 адам еди. 65Булардан тысқары, 7337 қул ҳәм шорылар, 200 еркек ҳәм ҳаял қосықшылар бар еди. 66Сүргиннен қайтқанлардың 736 аты, 245 ғашыры, 67435 түйеси ҳәм 6720 ешеги бар еди.
68Олар Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына келиўден-ақ, Қудайдың Ибадатханасын өз орнына қайта тиклеў ушын, айырым урпақ басшылары ықтыярлы садақалар усынды. 69Ҳәр бири шамасы келгенин берди. Бул ис ушын қазнаға 61 000 дарик[2] алтын, 5000 мина[3] гүмис ҳәм 100 руўханийлик кийим берилди.
70Руўханийлер, лебийлилер, халық ишинен айырым адамлар, қосықшылар, дәрўаза қараўыллары ҳәм Ибадатхана хызметшилери өз қалаларына орналасты. Қалған барлық израиллылар да өз қалаларына орналасып алды.

 

3

 

Қурбанлық орынның қайта қурылыўы

 

1Израиллылар өз қалаларына жайласып болғаннан соң, жетинши айда[4] олардың ҳәммеси бир адамдай Ерусалимге жыйналды. 2Қудайдың адамы болған Муўсаның Нызам китабындағы жазыўларға муўапық, қурбанлық орын үстинде жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ушын, Йосадақ улы Ешуа ҳәм оның руўханий ағайинлери, Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм оның туўысқанлары Израилдың Қудайына арнап қурбанлық орын қурыўға киристи. 3Олар әтираптағы халықлардан қорқса да, қурбанлық орынды оның бурынғы тийкары үстине қурып, онда азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берди. 4Соңынан Нызамда жазылғанға гөре, Қос байрамын нышанлады ҳәм қағыйда бойынша ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда жандырылатуғын қурбанлықлар берди. 5Буннан соң, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларды, Жаңа ай байрамында[5] ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген барлық мухаддес байрамларда берилетуғын қурбанлықларды, Жаратқан Ийеге арнап ықтыярлы садақаларды усынды. 6Жетинши айдың биринши күнинен баслап, олар Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар бериўди баслаған еди. Бирақ еле Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкары салынбаған еди.

 

Ибадатхананың тийкарының қайта салыныўы

 

7Израиллылар тас қашаўшыларға ҳәм усталарға гүмис теңге, Лебаноннан Яфо жағысына теңиз жолы арқалы кедр ағашларын алып келиўи ушын сидонлылар менен тирлилерге азық-аўқат, ишимлик ҳәм зәйтүн майын берди. Буларға Персия патшасы Кир рухсат берген еди. 8Ерусалимге, Қудайдың Ибадатханасы болған жерге келгеннен соң, екинши жылдың екинши айында Шеалтиел улы Зеруббабел, Йосадақ улы Ешуа, басқа руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен Ерусалимге қайтқанлардың ҳәммеси исти баслады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жаста болған лебийлилер Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди қадағалаў ушын қойылды. 9Қудайдың Ибадатханасындағы жумысшыларды Ешуа, оның уллары ҳәм ағайинлери, Қадмиел ҳәм оның уллары, Ҳодаўияның пүткил урпақлары қадағалап турды. Олар бул хызметти атқарыўда Хенадад урпағынан болған лебийлилерден жәрдем алды. 10Қурылысшылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын салып болғанда, руўханийлер арнаўлы кийимлерин кийип, қолларына кәрнайларын алды. Асаф урпақларынан болған лебийлилер де кимбалларын алып, Израил патшасы Даўыт белгилеген қағыйдаға муўапық, Жаратқан Ийени алғыслаў ушын өз орынларын ийеледи. 11Олар гезекпе-гезек:

 

«Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның Израилға болған сүйиспеншилиги мәңгилик»,

 

– деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтты.
Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарының салынғаны ушын, пүткил халық қатты даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айта баслады. 12Көпшилик қуўаныштан қышқырған болса да, Жаратқан Ийениң бурынғы Ибадатханасын көрген көплеген жасы үлкен руўханийлер, лебийлилер ҳәм урпақ басшылары бул Ибадатхананың тийкарының салынғанын көргенде өкирип жылады. 13Халық қатты шуўласып бақырысқанлықтан, қуўаныш сеслеринен жылағанлардың сеслерин ажыратыў мүмкин емес еди. Шаўқым узақтан еситилип турған еди.

 

4

 

Ибадатхананың қайта қурылыўына тосқынлық

 

1Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының душпанлары сүргиннен қайтқанлардың Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып атырғанын еситти. 2Олар Зеруббабелге ҳәм урыўбасыларға келип:
– Бизлер де сизлер менен бирге қурылысқа қатнасайық. Себеби бизлер де сизлер сыяқлы Қудайыңызға сыйынамыз. Бизлерди усы жерге алып келген Ассирия патшасы Эсар-Хаддонның дәўиринен бери, Оған арнап қурбанлық берип келемиз, – деди.
3Бирақ Зеруббабел, Ешуа ҳәм Израилдың басқа урыўбасылары оларға былай деп жуўап берди:
– Қудайымызға арнап Ибадатхана қурыў ушын сизлердиң бизлер менен бирге қурылысқа қатнасыўға ҳақыңыз жоқ. Персия патшасы Кирдиң буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхананы жалғыз өзимиз қурамыз.
4Сонда сол жердеги халықлар Яҳуда халқын қорқытып, қурылыс исине тосқынлық жасаўға ҳәм истен қолын суўытыўға ҳәрекет етти. 5Душпанлар кеңесшилерге пара берип, Персия патшасы Кирдиң пүткил ҳүкимдарлығы даўамында олардың жобаларына қарсылық қылып келди. Бул аўҳал Персия патшасы Дарийдиң патшалығына дейин даўам етти.

 

Ерусалимниң тиклениўине соңғы қарсылық

 

6Жыллар өтип, Ахашўерош[6] тахтқа отырып, оның патшалығы басланыўдан, душпанлар Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары үстинен шағым хат жазды. 7Соңынан Персия патшасы Артаксеркстиң[7] дәўиринде де Бишлам, Митредат, Табеел ҳәм олардың басқа жолдаслары патшаға хат жазды. Хат арамей тилинде жазылған болып, патшаға аўдарып берилди. 8Патшаның найыбы Рехум менен хаткер Шимшайдың патша Артаксеркске Ерусалимди қаралап жазған хатының мазмуны мынадай еди:

 

9«Патшаның найыбы Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың басқа жолдаслары: Триполис, Персия, Эрех ҳәм Бабилон турғынларынан ҳәм Суза қаласының, яғный элам халқының бийлери ҳәм ҳәмелдарларынан, 10және де, уллы ҳәм қүдиретли Аснаппар тутқын етип әкелип, Самария қалаларына ҳәм Евфраттың арғы тәрепине қонысландырған халықлардан».

 

11Олар жиберген хаттың нусқасы мынадай еди:

 

«Патша Артаксеркске
Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын хызметшилеринен.
12Патшаға мынаны мәлим етпекшимиз: сизиң қол астыңыздан шығып, бизге, Ерусалимге келген яҳудийлер қозғалаңшы ҳәм жаўыз қаланы қайта қура баслады. Олар дийўалларды тиклеп, имаратлардың тийкарларын дүзетип атыр. 13Және мынаны да мәлим етпекшимиз: егер усы қала қурылып, оның дийўаллары қайта тикленип болынса, онда олар салғырт, салық ҳәм бажы пулларын төлемей қояды. Нәтийжеде патша қазнасына зыян келеди. 14Патша сарайының дузына өзлеримиз де шерик болғанымыз себепли ҳәм патшамыздың зыянға ушыраўына қарап тура алмайтуғын болғанлықтан, хат жиберип, патшаны хабардар қылып қоймақшымыз. 15Егер ата-бабаларыңыздың жылнама китабынан излетсеңиз, жазбаларда бул қаланың қозғалаңшы, патшалар ҳәм ўәлаятлар ушын қәўипли болғанын көресиз. Бул қала әзелден қозғалаңның ошағы болғанлықтан, ўайран етилген. 16Усы себепли патшаға мәлим етемиз: егер усы қала қайта тикленип, дийўаллары қайта қурылса, онда дәрьяның арғы жағындағы ийеликлериңизден де айырыласыз».

 

17Патша мынадай жуўап жиберди:

 

«Найып Рехумға, хаткер Шимшайға, Самарияда ҳәм дәрьяның арғы тәрепинде жасайтуғын олардың басқа жолдасларына сәлем!
18Сизлердиң бизлерге жиберген хатыңыз мениң алдымда оқып, аўдарылды. 19Мениң буйрығым менен излеў алып барылды ҳәм бул қаланың әзелден патшаларға қарсы бас көтерип келгени, қозғалаң ҳәм бүлгиншиликтиң мәканы болғаны тастыйықланды. 20Ерусалимде Евфрат дәрьясының арғы тәрепиндеги пүткил жерлерди ийелеп, олардан салғырт, салық ҳәм бажы пулларын өндирген қүдиретли патшалар жасаған екен. 21Сонлықтан сол адамлардың исти тоқтатыўы ушын буйрық бер. Мен буйрық бермегенше, қаланы қайта қурмасын. 22Абайлы болыңлар, итибарсызлық етпеңлер. Патшаға зәлел келтиретуғын зыянлы истиң көбейиўине жол қоймаңлар».

 

23Патша Артаксеркстиң бул хаты Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың жолдасларының алдында оқылыўдан, олар асығыс Ерусалимге, яҳудийлердиң жанына барды ҳәм әскерий күш пенен жумысты тоқтатыўға мәжбүр қылды.

 

Ибадатхана қурылысын қайтадан даўам еттириў

 

24Солай етип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының қурылысы тоқтап қалып, Персия патшасы Дарийдиң патшалығының екинши жылына шекем ҳәрекетсиз турды.

 

5

 

1Сол арада пайғамбар Хаггай менен пайғамбар Иддо улы Зехария Яҳудияда ҳәм Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге олардың үстинен бийлик еткен Израилдың Қудайының аты менен пайғамбаршылық етти. 2Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм Йосадақ улы Ешуа Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қайта қурыўды баслады. Қудайдың пайғамбарлары да олар менен бирге болып, оларға жәрдем берди.
3Сол ўақытта Евфраттың арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары яҳудийлерге келип: «Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?» – деп сорады. 4Олар бул қурылысты алып барып атырған адамлардың атларын да сорады. 5Бирақ Қудай яҳудий ақсақалларына нәзерин салған еди. Олар бул ис туўралы Дарийге бир хат жиберген еди. Сол хатқа жуўап келмегенше, яҳудийлерди тоқтатпады.
6Дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай, олардың жолдаслары, яғный сол үлкениң ҳәмелдарлары патша Дарийге хат жазып, нусқасын жиберди. 7Олар патша Дарийге жоллаған хатта былай деп жазылған еди:

 

«Патша Дарийге тынышлық тилеймиз! 8Патшаға мыналарды билдирмекшимиз: бизлер Яҳудия ўәлаятына, уллы Қудайдың Ибадатханасына бардық. Ол үлкен таслардан қурылып, дийўалларына ағашлар қосып қаланып атыр. Бул жумыс жедел пәт алған болып, олардың қолларында табыслы кетип атыр. 9Бизлер сол жердеги ақсақаллар менен сөйлесип, олардан: „Мына Ибадатхананы қурып, бул қурылысты қайта тиклеўге сизлерге ким рухсат берди?“ – деп сорадық. 10Буның үстине, сизге мағлыўмат ретинде жазып жибериў ушын олардың басшыларының атларын да сорадық.
11Олар бизлерге былай деп жуўап берди: „Бизлер аспан ҳәм жердиң Қудайының қулларымыз. Бизлер көп жыллар бурын қурылған Қудайдың Ибадатханасын қайта тиклеп атырмыз. Бул Ибадатхана Израилдың бир уллы патшасы тәрепинен қурып питкерилген еди. 12Бирақ ата-бабаларымыз аспанның Қудайын ғәзеплендиргени ушын, Қудай оларды Бабилон патшасы калдейли Набуходоносорға тәслим етти. Ол бул Ибадатхананы ўайран етип, халықты Бабилонға сүргин қылды. 13Деген менен, Бабилон патшасы Кир өз ҳүкимдарлығының биринши жылында усы Қудайдың Ибадатханасы қайта тикленсин деп, пәрман шығарды. 14Набуходоносор Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасынан гүмис ҳәм алтын ыдысларды алып кетип, Бабилондағы ибадатханаға апарып қойған еди. Патша Кир Бабилондағы ибадатханадан сол ыдысларды алдырып, өзи ҳәким етип тайынлаған Шешбассар деген адамға қайтарып берди. 15Патша Кир Шешбассарға: „Бул ыдысларды апарып, Ерусалимдеги Ибадатханаға қой. Ал Қудайдың Ибадатханасы өз орнына қайта қурылсын“, – деди. 16Солай етип, Шешбассар келип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының тийкарын қойды. Соннан бери қурылыс даўам етпекте, еле тамамланбады“.
17Егер патшаға мақул болса, Бабилон сарайындағы архив тексерилип, патша Кирдиң Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын қурыўға рухсат бергени ямаса бермегени анықлансын. Соңынан патша өз қарарын бизлерге жазып жиберсин».

 

6

 

Дарийдиң буйрығы

 

1Буннан соң, патша Дарийдиң буйрығы бойынша, Бабилондағы ҳүжжетлер сақланатуғын архивте излеў ислери алып барылды. 2Архив Мидия ўәлаятының пайтахты Ахмета қорған қаласында болып, ол жерден бир орама ҳүжжет табылды. Онда былай деп жазылған еди:

 

«Есте сақлаў ушын: 3патша Кирдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасы ҳаққында Кир мынадай пәрман шығарды: „Ибадатхана қурбанлық усынылатуғын орында, бурынғы тийкары үстине қайта қурылсын. Оның бийиклиги алпыс шығанақ, ени де алпыс шығанақ болсын. 4Дийўаллары үш қатар үлкен таслардан ҳәм бир қатар ағаштан қурылсын. Ал кететуғын қәрежетлер болса, патша қазнасынан төленсин. 5Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының алтын ҳәм гүмис ыдыслары, яғный Набуходоносордың Ерусалимдеги Ибадатханадан Бабилонға алып келген ыдыслары да қайтарып берилсин. Олар Ерусалимдеги Ибадатханаға, өз орнына алып барылып, Қудайдың Ибадатханасына қойылсын“».

 

6Сонда патша Дарий мына хатты жоллады:

 

«Солай етип, дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары, яғный дәрьяның арғы тәрепинде жасаўшы ҳәмелдарлар! Ол жерге жақынласпаңлар. 7Қудайдың Ибадатханасындағы ислерге араласпаңлар. Яҳуда ҳәкими ҳәм яҳудийлердиң ақсақаллары Қудайдың Ибадатханасын бурынғы орнына қайта тиклесин. 8Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын яҳудий ақсақалларына жәрдем ретинде нелер ислеўиңиз кереклиги туўралы сизлерге мыналарды буйыраман: бул адамлардың жумсайтуғын қәрежетлери толық патша қазнасынан төленетуғын болғанлықтан, жумыс тоқтап қалмаўы ушын, дәрьяның арғы тәрепинен жыйналатуғын салықлардан тез оларға бериңлер. 9Ерусалимдеги руўханийлер талап еткен ҳәмме нәрсе: аспанның Қудайына арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ушын баспақлар, қошқарлар, тоқлылар, және де, бийдай, дуз, шарап ҳәм зәйтүн майы ҳәр күни иркинишсиз берилсин. 10Солай етип, олар аспанның Қудайына унайтуғын қурбанлықлар берсин, патша ҳәм оның улларының өмири ушын дуўа етсин. 11Тағы да мынаны буйыраман: егер ким де ким бул пәрманды өзгертсе, онда сол адамның үйинен бир бөрене алып шығылып, сол адам бөренениң ушына илдирип өлтирилсин, ал үйи қарабақанаға айландырылсын. 12Өз атын сол жерде орнатқан Қудай бул пәрманды өзгертиўге ямаса Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын жоқ қылыўға урынған ҳәр бир патшаны яки халықты жоқ қылсын. Мен, Дарий усы буйрықты бердим. Буйрығым толық орынлансын».

 

Ибадатхананың бағышланыўы

 

13Сонда дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары патша Дарийдиң буйрығын толық орынлады. 14Яҳудий ақсақаллары қурылысты даўам етти ҳәм пайғамбарлар Хаггай менен Иддо улы Зехарияның пайғамбаршылық сөзлеринен жигер алып, олардың ислери табыслы болды. Олар Израилдың Қудайының буйрығы ҳәм Персия патшалары Кир, Дарий ҳәм Артаксеркстиң пәрманы бойынша Ибадатхананы қурып питкерди. 15Ибадатхананың қурылысы патша Дарийдиң ҳүкимдарлығының алтыншы жылында, Адар айының үшинши күни[8] тамамланды.
16Израиллылар: руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўын қуўаныш пенен байрамлады. 17Олар Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўына арнап жүз баспақ, еки жүз қошқар ҳәм төрт жүз тоқлы шалды, ал Израил урыўларының саны бойынша он еки текени пүткил Израил халқының гүналары ушын гүна қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди. 18Соңынан Муўсаның китабында жазылғанындай, руўханийлерди топарлары ҳәм лебийлилерди шақаплары бойынша Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасындағы хызметке қойды.

 

Қутқарылыў байрамының нышанланыўы

 

19Биринши айдың он төртинши күни[9] сүргиннен қайтқанлар Қутқарылыў байрамын нышанлады. 20Себеби руўханийлер менен лебийлилер өзлерин пәклеў рәсиминен өткерген болып, олардың ҳәммеси пәк еди. Лебийлилер сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси ушын, руўханий туўысқанлары ушын ҳәм өзлери ушын Қутқарылыў байрамының қурбанлығын шалды. 21Сүргиннен қайтқан Израил халқы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын, өзлерин әтираптағы халықлардың напәкликлеринен сақлаған адамлардың ҳәммеси қурбанлық гөшинен жеди. 22Олар жети күн қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. Себеби Жаратқан Ийе оларды қуўанышқа бөледи ҳәм Израилдың Қудайы болған Қудайдың Ибадатханасының қурылысына жәрдем бериў ушын Ассирия патшасының жүрегин жибитти.

 

7

 

Эзраның Ерусалимге келиўи

 

1Бул ўақыялардан кейин, Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығы дәўиринде Эзра деген бир адам жасады. Ол Серая улы еди, Серая Азария улы, Азария Хилкия улы, 2Хилкия Шаллум улы, Шаллум Садоқ улы, Садоқ Ахитуб улы, 3Ахитуб Амария улы, Амария Азария улы, Азария Мерайот улы, 4Мерайот Зерахия улы, Зерахия Уззий улы, Уззий Буккий улы, 5Буккий Абишуа улы, Абишуа Пинехас улы, Пинехас Элазар улы, ал Элазар бас руўханий Харонның улы еди.
6Усы Эзра Бабилоннан Ерусалимге келди. Эзра Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген Нызамын жетик билетуғын улама еди. Қудайы Жаратқан Ийениң қолы оның үстинде болғанлығы себепли, патша оған сораған нәрсесиниң ҳәммесин берди. 7Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылы Израил халқынан айырым адамлар, сондай-ақ руўханийлерден, лебийлилерден, қосықшылардан, дәрўаза қараўылларынан ҳәм Ибадатхана хызметшилеринен айырымлары да оның менен бирге Ерусалимге қайтты.
8Эзра Ерусалимге келгенде, Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылының бесинши айы[10] еди. 9Ол биринши айдың биринши күни[11] Бабилоннан жолға шығып, Қудайының мийримли қолы астында бесинши айдың биринши күни Ерусалимге жетип келди. 10Себеби Эзра өз өмирин Жаратқан Ийениң Нызамын үйрениўге, оларды орынлаўға ҳәм Израилда қағыйда ҳәм нызамларды үйретиўге бағышлаған еди.

 

Патша Артаксеркстиң Эзраға берген хаты

 

11Жаратқан Ийениң буйрықларын ҳәм Оның Израилға берген қағыйдаларын жақсы билетуғын улама ҳәм руўханий Эзраға патша Артаксеркстиң берген хатының мазмуны мынадай еди:

 

12«Патшалар патшасы Артаксеркстен аспанның Қудайының Нызамын жетик билетуғын улама, руўханий Эзраға сәлем!
13Мен мынаны буйыраман: патшалығымда жасайтуғын Израил халқынан болған ҳәр бир адамның, сондай-ақ сениң менен бирге Ерусалимге кетиўди қәлеген руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң кетиўине рухсат беремен. 14Сен қолыңдағы Қудайдың Нызамына тийкарланып, Яҳудия менен Ерусалимдеги жағдайды үйрениў ушын патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси тәрепинен жиберилип атырсаң. 15Ерусалимде мәкан басқан Израилдың Қудайына арнап, патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси ықтыярлы түрде берген гүмис ҳәм алтынларды сол жерге жеткересең. 16Және де, Бабилонның ҳәмме ўәлаятларынан өзиң жыйнайтуғын барлық гүмис ҳәм алтынды, өзлериниң Қудайының Ерусалимдеги Ибадатханасына арнап халық ҳәм руўханийлер берген ықтыярлы садақаларды да алып кетесең.
17Бул пулларға сен буғалар, қошқарлар, тоқлылар, олардың ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын сатып ал. Оларды Қудайыңның Ерусалимдеги Ибадатханасының қурбанлық орнында қурбанлыққа бер. 18Қалған алтын ҳәм гүмислерди туўысқанларың менен бирге Қудайдың еркине сай қәлегениңше ислет. 19Қудайыңның Ибадатханасындағы хызметке қолланыў ушын берилген ыдысларды Ерусалимниң Қудайына тапсыр. 20Қудайыңның Ибадатханасы ушын не нәрсе талап етилсе де, жеткизиўиң керек болған ҳәр бир нәрсени патшаның қазнасынан аларсаң.
21Енди мен, патша Артаксеркс дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң барлық қазнашыларына буйыраман: аспанның Қудайының Нызамы бойынша улама, руўханий Эзраның сизлерден талап қылған нәрсесиниң ҳәммесин сөзсиз бериңлер. 22Оған 100 талантқа[12] шекем гүмис, 100 корға[13] шекем бийдай, 100 батқа[14] шекем шарап, 100 батқа[15] шекем зәйтүн майы ҳәм қәлегенинше дуз бериңлер. 23Аспанның Қудайы Өз Ибадатханасы ушын нени буйырса, соны табжылтпай орынлаңлар. Оның мениң ҳәм улларымның патшалығына қарсы ғәзебин лаўлатыўдың неге кереги бар? 24Мынаны да билип қойыңлар: руўханийлердиң, лебийлилердиң, қосықшылардың, дәрўаза қараўылларының, Ибадатхана хызметшилериниң ҳәм Қудайдың сол Ибадатханасындағы басқа хызметшилердиң ҳеш биринен салғырт та, салық та, бажы пулы да алынбасын.
25Саған келсек, Эзра, Қудайыңның өзиңе берген даналығы менен ҳәкимлер ҳәм қазылар тайынла. Олар дәрьяның арғы тәрепиндеги сениң Қудайыңның нызамларын билетуғын барлық халықты ҳүким етсин. Ал нызамларды билмейтуғынларға тәлим бер. 26Қудайыңның нызамларына ҳәм патшаның буйрықларына бойсынбағанлар жазаға тартылсын. Олар өлимге ҳүким етилсин, сүргинге жиберилсин, мал-мүлки тартып алынсын яки сөзсиз қамаққа таслансын».

 

Эзраның Қудайды алғыслаўы

 

27«Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасына ҳүрмет көрсетиў ушын патшаның жүрегине усындай қәлеўди салған ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! 28Ол патшада, оның мәсләҳәтшилеринде ҳәм барлық күшли басшыларында маған деген мийрим оятты. Қудайым болған Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болғанлықтан жигерлендим ҳәм өзим менен алып кетиў ушын Израилдың басшыларын топладым».

 

8

 

Эзра менен бирге Ерусалимге қайтып келгенлердиң дизими

 

1Артаксеркстиң патшалығы дәўиринде мениң менен бирге Бабилоннан келген урпақ басшылары ҳәм олардың шежирелери мынадай:

 

2Пинехас урпағынан Гершом,
Итамар урпағынан Даниел,
Даўыттың нәсилинен болған
3Шекания урпағынан Хаттуш. Парош урпақларынан Зехария ҳәм оның менен бир нәсилден дизимге алынған 150 еркек,
4Пахат-Моаб урпағынан Зерахия улы Элиеҳоенай ҳәм оның менен бирге 200 еркек,
5Затту урпағынан Яхазиел улы Шекания ҳәм оның менен бирге 300 еркек;
6Адин урпағынан Йонатан улы Эбед ҳәм оның менен бирге 50 еркек;
7Элам урпағынан Аталия улы Ешая ҳәм оның менен бирге 70 еркек;
8Шефатия урпағынан Михаел улы Зебадия ҳәм оның менен бирге 80 еркек;
9Йоаб урпағынан Ехиел улы Обадия ҳәм оның менен бирге 218 еркек;
10Баний урпағынан Йосифияның улы Шеломит ҳәм оның менен бирге 160 еркек;
11Бебай урпағынан Бебай улы Зехария ҳәм оның менен бирге 28 еркек;
12Азгад урпағынан Ҳаққатан улы Юханан ҳәм оның менен бирге 110 еркек;
13Адониқамның Элифелет, Еиел, Шемая деген ең соңғы уллары ҳәм олар менен бирге 60 еркек;
14Бигўай урпағынан Утай, Заккур ҳәм олар менен бирге 70 еркек.

 

Ерусалимге қайтыў

 

15Мен оларды Аҳаўаға қарай ағып турған өзектиң бойына топладым. Бизлер сол жерде үш күн турдық. Мен халық ҳәм руўханийлер арасынан лебийлилерди изледим, бирақ Лебий урпағынан ҳеш кимди таба алмадым. 16Сонлықтан басшылардан Элиезерди, Ариелди, Шемаяны, Элнатанды, Ярибти, Элнатанды, Натанды, Зехарияны, Мешулламды ҳәм алымлардан Йояриб пенен Элнатанды шақырттым. 17Оларды Касифия деген жердиң басшысы Иддо деген адамға жибердим. Олардың Қудайымыздың Ибадатханасында хызмет ететуғын адамларды жибериўи ушын, Иддоға ҳәм Касифия деген жердеги Ибадатхана хызметшилери болған туўысқанларына нелерди айтыўы кереклигин үйреттим. 18Қудайымыздың мийримли қолы бизлердиң үстимизде болғанлығы себепли, олар Израилдың улы Лебийдиң нәсилинен, Махлийдиң урпағынан Шеребия деген дана бир адамды жиберди. Ол өзи менен бирге уллары ҳәм туўысқанларынан 18 адамды әкелди. 19Сондай-ақ, Хашабияны, Мерарий урпағынан Ешаяны ҳәм туўысқанлары менен олардың улларынан 20 адамды, 20лебийлилерге жәрдемлесиў ушын Даўыт ҳәм оның хызметшилери қойған Ибадатхана хызметшилеринен 220 адамды алып келди. Олардың ҳәммеси атпа-ат дизимге алынған.
21Сонда Қудайымызға бойсыныў, Оннан өзлеримиз, балаларымыз ҳәм пүткил дүнья малымыз ушын, ақ жол сораў ушын Аҳаўа өзегиниң бойында ораза жәрия еттим. 22Бизлер патшаға: «Қудайымыз Өзин излегенлердиң ҳәммесиниң үстине мийримли қолын қояды, ал Өзинен жүз бурғанларға күшли ғәзебин шашады», – деген едик. Сонлықтан жолда бизлерди душпаннан қорғаў ушын әскерлер ҳәм атлылар сораўға уялдым. 23Солай етип, бизлер ораза тутып, Қудайымызға жолымыз ушын жалбарындық, Ол да дуўамызды қабыл етти.

 

Ибадатхана ушын саўғалар

 

24Соңынан басшы руўханийлер арасынан он екисин: Шеребияны, Хашабияны ҳәм олардың туўысқанларынан онын таңлап алдым. 25Кейин патшаның, оның мәсләҳәтшилериниң, басшыларының ҳәм сол жердеги пүткил израиллылардың Қудайымыздың Ибадатханасы ушын берген барлық садақаларын: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, оларға бердим. 26Мен оларға берген затлардың өлшеми мынадай еди: 650 талант[16] гүмис, 100 талантлық[17] гүмис ыдыслар, 100 талант[18] алтын. 27Нарқы 1000 дарик[19] болған 20 алтын тостаған, алтындай қунлы, жылтыр мыстан исленген еки ыдыс. 28Мен оларға былай дедим: «Сизлер – Жаратқан Ийениң мухаддесисизлер, ыдыслар да мухаддес. Гүмис ҳәм алтын – сизлердиң ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген ықтыярлы садақалар. 29Руўханийлердиң басшылары, лебийлилер ҳәм израиллылардың урпақ басшылары алдында өлшеп, Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасының қазнасына тапсырғаныңызша сергек болып, оларды сақлаңлар». 30Солай етип, руўханийлер ҳәм лебийлилер Ерусалимге, Қудайымыздың Ибадатханасына алып келиў ушын, тәрезиге тартылған гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды қабыл етип алды.
31Бизлер биринши айдың он екинши күни[20] Ерусалимге барыў ушын Аҳаўа өзеги бойынан жолға шықтық. Қудайымыздың қолы бизлердиң үстимизде болып, жолымызда Ол бизлерди душпанлардың ҳүжиминен ҳәм қарақшылардан қорғады. 32Солай етип, бизлер Ерусалимге жетип келип, ол жерде үш күн дем алдық.
33Төртинши күни Қудайымыздың Ибадатханасына барып, гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, Урия улы руўханий Меромотқа тапсырдық. Пинехас улы Элазар оның қасында болды. Лебийли Ешуа улы Йозабад ҳәм Биннуй улы Ноадия да олар менен бирге еди. 34Ҳәр бир нәрсе саналды ҳәм тәрезиге тартылды. Өлшенген затлардың ҳәммеси сол ўақытта жазып қойылды.
35Тутқыннан келгенлер, яғный сүргиннен қайтып келгенлер Израилдың Қудайына арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Олар пүткил израиллылар ушын он еки буға, тоқсан алты қошқар, жетпис жети тоқлы шалды. Ал гүна қурбанлығы ушын он еки текени қурбанлыққа шалды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге усынылған жандырылатуғын қурбанлықлар еди. 36Сүргиннен қайтқанлар патшаның буйрықларын патшаның найыпларына ҳәм дәрьяның арғы тәрепиндеги ўәлаятларының ҳәкимлерине берди. Олар да Израил халқын ҳәм Қудайдың Ибадатханасын қоллап-қуўатлайтуғын болды.

 

9

 

Эзраның дуўасы

 

1Бул ўақыялардан кейин, басшылар алдыма келип былай деди: «Израил халқы, ҳәтте, руўханийлер менен лебийлилер де айналамыздағы халықлардың: кенаан, хетт, периз, ебус, аммон, моаб, амор халықларының ҳәм мысырлылардың жеркенишли нәрселеринен еле арылмады. 2Себеби өзлери де, уллары да усы халықлардың қызларына үйленген. Усылайынша мухаддес туқым әтираптағы халықлар менен араласып кеткен. Басшылар ҳәм хызметкер адамлар бул опасызлыққа бас болды».
3Мен бул гәплерди еситкенимде, көйлек-шапанымды жыртып, шаш-сақалымды жулып, қатты қапа болып жерге отыра кеттим. 4Сонда сүргиннен қайтқанлардың опасызлығына байланыслы, Израилдың Қудайының сөзлеринен қорққанлардың ҳәммеси мениң жаныма топланды. Мен болсам, кешки қурбанлық ўақтына шекем қайғыға батып отырдым. 5Ал кешки қурбанлық ўақтында қайғыға батып, көйлек-шапаным жыртылған ҳалда отырған орнымнан турдым. Дизерлеп отырып қолларымды жайып, Қудайым болған Жаратқан Ийеге 6былай дедим: «О, Қудайым! Басымды көтерип Саған қараўға уялып ҳәм қысынып турман. Себеби гүнамыз басымыздан асып, айыбымыз аспанға жеткен. 7Ата-бабаларымыздың заманынан баслап усы күнге шекем айыпқа көмилип қалғанбыз. Гүнамыз себепли бизлер өзлеримиз, патшаларымыз, руўханийлеримиз басқа еллердиң патшаларының қолына тапсырылдық, өлтирилдик, тутқынға алындық, таландық ҳәм бүгингидей шерменде болдық. 8Бирақ бүгин Қудайымыз Жаратқан Ийе! Сен бизлерге қысқа ўақытқа мийрим көрсетип, айырымларымызды тири қалдырдың. Қуллықта болғанымызда көзимизге нур бериў ҳәм азғана болса да, еңсемизди көтериў ушын, Өзиңниң мухаддес орныңнан мәкан жай бердиң.
9Себеби бизлер қуллар едик. Бирақ Қудайымыз, Сен бизлерди қуллыққа таслап қоймадың. Сен Персия патшаларының жүрегинде бизлерге деген мийрим ояттың. Өзиңниң Ибадатханаңды қурыўымыз ҳәм қарабақанаға айланған Ибадатхананы қайта тиклеўимиз ушын жаңа өмир бердиң. Және де, Ерусалимде ҳәм Яҳудияда бизлерге қорғаныў дийўалын бердиң.
10Ал енди, о, Қудайымыз, буннан кейин не дей аламыз? Өйткени Сениң буйрықларыңнан жүз бурдық. 11Сен Өз қулларың пайғамбарлар арқалы мынадай буйрық берген едиң: „Сизлер ийелик етиў ушын кирип атырған жер – ҳарам жер. Ол сол жерде жасап атырған халықлардың ҳарамлықлары ҳәм жеркенишли дәстүрлери менен ҳарамланған. Олар елди бастан аяғына өз напәклигине толтырған. 12Сонлықтан олар менен қыз берисип, қыз алыспаңлар. Ҳеш қашан олардың тынышлығы ҳәм ийгилиги ушын ҳәрекет етпеңлер. Сонда күшли боласыз, бул жердиң өниминен жеп, оларды өз балаларыңызға мәңгиге мийрас етип бересиз“. 13Басымызға түскенлердиң ҳәммеси өзлеримиздиң жаман ислеримиз ҳәм үлкен айыбымыз себепли болды. Бирақ Сен, о, Қудайымыз, бизлерди ислеген исимизге қарағанда жеңил жазаладың ҳәм айырымларымызды тири қалдырдың. 14Енди қалайынша және Сениң буйрықларыңды бузып, усындай жеркенишли ислерди ислеп атырған халықлар менен қуда-тамыр бола аламыз? Егер солай ислесек, онда Сен бизлерге ғәзепленип, бирде биреўимизди тири қалдырмай, қырып тасламайсаң ба? 15О, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Сен әдилсең. Бүгинги күнге келип бизлер аман қалдық. Сениң алдыңда турыўға ҳақымыз болмаса да, мине, бизлер өз айыпларымызды арқалап, Сениң алдыңда турмыз».

 

10

 

Аралас некеге шек қойыў жобасы

 

1Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдында жер баўырлап жылаўы менен гүналарды мойынлап, дуўа етип атырғанда, израиллылардың үлкен бир жыйыны: еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар оның жанына жыйналды. Олар да зар еңиреп, жылап турды. 2Сонда Элам урпағынан Ехиел улы Шекания Эзраға былай деди: «Бизлер басқа миллет қызларына үйленип, Қудайымыздың алдында опасызлық еттик. Деген менен, израиллылар ушын еле үмит бар. 3Енди Қудайымыз бенен келисим дүзейик. Мырзам, сизиң ҳәм Қудайымыздың буйрықларын қәдирлейтуғынлардың мәсләҳәти бойынша, ҳәмме басқа миллеттен алынған ҳаяллар менен ажырасып, оларды балалары менен бирге босатып жиберейик. Бул келисим Нызамға сай болсын. 4Қәне, орныңыздан турың! Себеби бул ис сизге жүкленген, ал бизлер сизди қоллап-қуўатлаймыз. Руўхыңызды көтерип, иске кирисиң!»
5Сонда Эзра орнынан турды. Ол руўханийлердиң басшыларына, лебийлилерге ҳәм пүткил израиллыларға усы айтылғанларды орынлаймыз деп, ант ишиўди буйырды. Олар ант ишти. 6Кейин Эзра Қудайдың Ибадатханасының алдынан турып, Эляшиб улы Еҳохананның бөлмесине барды. Сол жерде болғанда, ол сүргиннен қайтқанлардың опасызлығы ушын аза тутыўын даўам етип, нан да жемеди, суў да ишпеди.
7«Сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Ерусалимге жыйналсын», – деп Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жар салынды. 8Және де: «Егер ким де ким үш күн ишинде келмесе, басшылардың ҳәм ақсақаллардың қарары бойынша оның барлық мал-мүлки тартып алынып, өзи сүргиннен келгенлер жәмийетинен шығарып жибериледи», – деп хабарланды. 9Сонда пүткил Яҳуданың ҳәм Бенямин урыўының адамлары үш күн ишинде Ерусалимге жыйналды. Бул тоғызыншы айдың жигирмаланшы күни[21] еди. Пүткил халық Қудайдың Ибадатханасы алдындағы майданда отырды. Олар ҳәм усы истен, ҳәм қуйып жаўған жаўыннан дирилдер еди. 10Руўханий Эзра орнынан турып, оларға былай деди:
– Сизлер опасызлық еттиңлер, басқа миллет қызларына үйленип, Израилдың айыбына айып жамадыңлар. 11Енди ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе алдында гүналарыңызды мойынлап, Оның еркин орынлаңлар. Әтирапыңыздағы халықлардан ҳәм басқа миллеттен алынған ҳаяллардан айырылыңлар.
12Сонда пүткил жәмийет жуўап берип, бәлент даўыс пенен былай деди:
– Аўа, сиз ҳақсыз. Сиз не айтсаңыз, соны ислеймиз. 13Деген менен, халық көп, жаўын да қуйып тур, ашық жерде турыўға димарымыз қалмады. Бул бир-еки күнлик ис емес, себеби бизлердиң көпшилигимиз усы исте гүна ислегенбиз. 14Басшыларымыз пүткил жәмийет атынан ўәкиллик қылсын. Ал қалаларымыздағы басқа миллет қызларына үйленген адамлардың ҳәммеси белгиленген ўақытта өз қалаларының ақсақаллары ҳәм қазылары менен бирге усы жерге келсин. Қудайымыздың усы ис себепли лаўлаған ғәзеби қайтқанға шекем усылай исленсин.
15Бул усынысқа тек Асаҳел улы Йонатан ҳәм Тиқўа улы Яхзея қарсы болды, ал Мешуллам ҳәм лебийли Шаббетай болса, буларды қоллап-қуўатлады. 16Сүргиннен қайтқанлар айтылғандай иследи. Руўханий Эзра ҳәр бир урпақтың урпақ басшысын атпа-ат таңлап алды. Оныншы айдың биринши күни[22] олар бул исти изертлеўге отырды. 17Биринши айдың биринши күни[23] олар басқа миллет қызларына үйленгенлердиң ҳәммесиниң исин қарап болды.

 

Басқа миллет қызларына үйленгенлер дизими

 

18Руўханийлер урпағы арасында басқа миллет қызларына үйленгенлер:
Йосадақ улы Ешуаның ҳәм оның туўысқанларының урпақларынан: Маасея, Элиезер, Яриб ҳәм Гедалия. 19Олар ҳаялларынан ажырасыўға сөз берди ҳәм ҳәр бири сүриўден бир қошқарды өз айыбы ушын айып қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди.
20Иммер урпағынан: Хананий ҳәм Зебадия;
21Харим урпағынан: Маасея, Илияс, Шемая, Ехиел, Уззия;
22Пашхур урпағынан: Элйоенай, Маасея, Исмайыл, Нетанел, Йозабад, Эласа;
23Лебийлилерден: Йозабад, Шимей, Келая, яғный Келита, Петахия, Яҳуда, Элиезер;
24Қосықшылардан: Эляшиб;
Дәрўаза қараўылларынан: Шаллум, Телем, Урий;
25Басқа израиллылардан:
Парош урпақларынан: Рамия, Иззия, Малкия, Миямин, Элазар, Малкия, Беная;
26Элам урпақларынан: Маттания, Зехария, Ехиел, Абдий, Еремот, Илияс;
27Затту урпақларынан: Элйоенай, Эляшиб, Маттания, Еремот, Забад, Азиза;
28Бебай урпақларынан: Еҳоханан, Ханания, Заббай, Атлай;
29Баний урпақларынан: Мешуллам, Маллух, Адая, Яшуб, Шеал, Рамот;
30Пахат-Моаб урпақларынан: Адна, Келал, Беная, Маасея, Маттания, Бесалел, Биннуй, Менашше;
31Харим урпақларынан: Элиезер, Ишшия, Малкия, Шемая, Шимон, 32Бенямин, Маллух, Шемария;
33Хашум урпақларынан: Маттенай, Маттата, Забад, Элифелет, Еремай, Менашше, Шимей;
34Баний урпақларынан: Маадай, Амрам, Уўел, 35Беная, Бедея, Келуҳу, 36Ўанея, Меремот, Эляшиб, 37Маттания, Маттенай, Ясай, 38Баний, Биннуй, Шимей, 39Шелемия, Натан, Адая, 40Махнадбай, Шашай, Шарай, 41Азарел, Шелемия, Шемария, 42Шаллум, Амария, Юсуп;
43Небо урпақларынан: Еиел, Маттития, Забад, Зебина, Яддай, Йоел, Беная.
44Бул адамлардың ҳәммеси басқа миллет қызларына үйленген болып, олардың айырымларының балалары да бар еди.

 

 

 

Нехемия

Нехемия китабы

 

 

1

 

Нехемияның дуўасы

 

1Хахалия улы Нехемияның сөзлери:
Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылының Кислеў айында[1] мен пайтахтта, Суза қаласында едим. 2Сонда туўысқанларымнан бири Хананий айырым адамлар менен бирге Яҳудадан келди. Мен олардан сүргиннен қутылып қалып, тири қалған яҳудийлер ҳәм Ерусалим қаласы туўралы сорадым. 3Олар маған сүргиннен қутылып қалып, Яҳуда ўәлаятында тири қалғанлардың қатты қыйыншылық ҳәм шерменделик аўҳалда қалғаны, Ерусалим дийўалларының ўайран етилип, дәрўазаларының өртеп жиберилгени туўралы айтып берди.
4Бул сөзлерди еситкенимде, отырып жыладым. Бир неше күн қайғыға батып жүрдим, ораза тутып, аспанның Қудайына былай деп дуўа еттим: 5«О, аспанның Қудайы Жаратқан Ийе! Сен уллы ҳәм айбатлы Қудайсаң! Сен Өзиңди сүйгенлер ҳәм буйрықларыңды орынлағанлар менен дүзген келисимиңе садық қаласаң. 6Қулыңның дуўасын еситиў ушын қулақларың түриўли, көзлериң ашық болғай. Енди Сениң алдыңда қулларың болған Израил халқы ушын күни-түни дуўа етип, олардың гүналары ушын тәўбе қыламан. Аўа, бизлер Сениң алдыңда гүна иследик, мен де, мениң әкемниң үй-иши де гүна иследи. 7Бизлер Сениң алдыңда қатты жеркенишли ислерди иследик. Сениң қулың Муўсаға берген буйрықларыңа, қағыйдалар ҳәм нызамларыңа бойсынбадық. 8Енди қулың Муўсаға берген мына сөзлериңди есиңе ала гөр: „Егер сизлер Маған опасызлық етсеңиз, Мен сизлерди халықлар арасына шашып жиберемен. 9Бирақ Маған қайтып келсеңиз ҳәм буйрықларыма бойсынып, оларды орынласаңыз, жердиң ең шетине қуўғын қылынған болсаңыз да, сизлерди ол жерден жыйнап аламан. Атымды уллылаў ушын, таңлап алған жерге сизлерди алып келемен“.
10Израил халқы – Сениң қулларың ҳәм Өз халқың. Уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен оларды азат еткенсең. 11О, Ийем! Қулың болған мениң дуўама ҳәм Сениң атыңды ҳүрмет қылыўдан заўықланатуғын қулларыңның дуўасына қулақ түре гөр. Бүгин маған әўмет берип, патшада маған деген реҳим оята гөр».
Сол ўақытлары мен патшаның шарап қуйыўшысы едим.

 

2

 

Нехемияның Ерусалимге қайтыўы

 

1Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылы, Нисан айы[2] еди. Мен патшаның алдына әкелинген шарапты оған усындым. Бурын ҳеш қашан патша мени түскин аўҳалда көрген жоқ еди. 2Сонлықтан патша маған:
– Неге қапа көринесең? Билемен, кесел емессең. Жүрегиңде бир дәртиң бар ма деймен? – деди. Мен қатты қорқып кеттим. 3Сонда да патшаға:
– Тақсыр, өмириңиз узақ болсын! Ата-бабаларымыз жерленген қала қаңырап, дәрўазалары өртелген болса, мен қалай қапа болмайын? – дедим.
4Патша маған:
– Не тилейсең? – деди. Сонда мен ишимнен аспанның Қудайына дуўа еттим, 5кейин патшаға былай дедим:
– Тақсыр, егер мақул деп тапсаңыз ҳәм мендей қулыңызға кеўлиңиз толған болса, онда мени Яҳудаға, ата-бабаларым жерленген қалаға жиберсеңиз. Мен бул қаланы қайта қурмақшыман.
6Сонда ханбийке де патшаның жанында отырған еди. Патша меннен:
– Сапарың қанша ўақытқа созылады, қашан қайтып келесең? – деп сорады. Патша мени жибериўге ыразы болды. Соңынан мен ўақытты белгилеп айттым.
7Мен патшаға және былай дедим:
– Тақсыр, егер сизге мақул болса, Яҳудаға жетип барғанымша, өз жерлеринен өтиўиме рухсат бериўи ушын, дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине хат жазып берилсин. 8Және де, патша тоғайларының бажбаны Асафқа да хат жаздырып берсеңиз. Ол маған Қудайдың Ибадатханасы жанындағы қорғанның дәрўазаларын, қала дийўалларын соқтырыўым ҳәм өзиме үй салдырыўым ушын керек болатуғын ағашларды берсин.
Қудайдың мийримли қолы мениң үстимде болғанлығы себепли, патша сорағанымның ҳәммесин берди.
9Патша мениң менен бирге бир неше әскербасылар ҳәм атлылар жиберген еди. Мен дәрьяның арғы жағының ҳәкимлерине келип, оларға патшаның хатларын бердим. 10Хоронлы Санбаллат ҳәм аммон халқынан болған хызметши Тобия Израил халқының ийгилиги ушын ғамхорлық етиўге бир адамның келгенин еситкенде, қатты ғәзепленди.
11Мен Ерусалимге келип, ол жерде үш күн болдым. 12Мен Ерусалим ушын ислейтуғын ислеримди Қудайымның жүрегиме салғанын ҳеш кимге айтпадым. Түнде турып, жанымдағы адамлардан бир нешеўин ертип, жолға шықтым. Жаныма өзим минип жүрген жаныўардан басқа ҳеш қандай жаныўар алған жоқ едим.
13Түнде Ойпатлық дәрўазасы арқалы шығып, Айдарҳа булағына, ол жерден Тезек дәрўазасына бардым. Мен ўайран етилген Ерусалим дийўалларын ҳәм оның жағып жиберилген дәрўазаларын көзден кеширдим. 14Соңынан Булақ дәрўазасына ҳәм Патша ҳаўызына бардым. Бирақ астымдағы жаныўарым өтиўге жол таба алмады. 15Сонлықтан түнде сай бойлап көтерилип, дийўалды көзден кеширдим. Ақырында, кери айланып, Ойпатлық дәрўазасы арқалы изге қайттым.
16Ҳүкимет басшылары мениң қай жерге барып, не ислеп жүргенимди билмеди. Себеби мен яҳудийлерге де, руўханийлерге де, ақсүйеклерге де, басшыларға да, усы иске қатнасы бар басқа жумыс алып барыўшыларға да еле ҳеш нәрсе айтпаған едим.
17Соңынан мен оларға: «Қандай апатшылыққа ушырағанымызды көрип турсыз ба? Ерусалим босап қалған, ал оның дәрўазалары болса, жандырып жиберилген. Жүриңлер, Ерусалимниң дийўалларын қайта тиклейик. Буннан былай аяқ асты болыўға шек қояйық», – дедим. 18Мен оларға Қудайдың мийримли қолының мениң үстимде екенин ҳәм патшаның өзиме айтқан сөзлерин айтып бердим.
Сонда олар: «Қурылысты баслаймыз», – деди ҳәм қайырлы иске бар күшин жумсаўға таяр турды.
19Бирақ хоронлы Санбаллат, аммон халқынан болған хызметши Тобия ҳәм араб халқынан болған Гешем буларды еситкенде, үстимизден күлди ҳәм:
– Не ислеп атырсыз өзи? Ямаса патшаға қарсы бас көтерип атырсызлар ма? – деп бизлерди кемситип сөйледи.
20Сонда мен оларға:
– Аспанның Қудайы исимизди сәтли қылады, ал Оның қуллары болған бизлер қурылысты баслаймыз. Сизлердиң Ерусалимде үлесиңиз де, ҳақыңыз да, тарийхый дерегиңиз де жоқ, – деп жуўап бердим.

 

3

 

Дийўалдың тиклениўи

 

1Соннан соң, бас руўханий Эляшиб ҳәм оның руўханий туўысқанлары иске кирисип, Қой дәрўазасын қайта қурды. Олар дәрўазаны бағышлаў рәсиминен өткерип, қапыларын орнына қурды. Жүзлик минарасына дейинги дийўалларды тиклеп, оны бағышлаў рәсиминен өткерди. Және де, олар Хананел минарасына шекемги дийўалларды да тикледи. 2Ерихолылар оннан кейинги бөлегин, ал оннан кейинги бөлекти Имрий улы Заккур қурды.
3Балық дәрўазасын Ҳассенаның уллары қурды. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. 4Оннан кейинги бөлекте Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетиў ислерин алып барды. Оннан кейинги бөлекти Мешезабелдиң ақлығы Берехияның улы Мешуллам, ал оннан кейинги бөлекти Баана улы Садоқ дүзетти. 5Олардан кейинги бөлекти теқоалылар дүзетти. Бирақ олардың ақсүйеклери өз қадағалаўшыларының буйрығын орынлаў ушын қәддин бүкпеди.
6Ешана[3] дәрўазасын Пасеах улы Йояда ҳәм Бесодия улы Мешуллам дүзетти. Олар дәрўазаның бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. 7Олардан кейинги бөлекти гибонлы Мелатия ҳәм меронотлы Ядон дәрьяның арғы жағындағы ҳәкимниң қол астындағы Гибон ҳәм Миспа турғынлары менен бирге дүзетти. 8Олардан кейинги бөлекти зергер Харҳая улы Уззиел, ал оннан кейинги бөлекти хош ийисли затлар таярлаўшы Ханания дүзетти. Олар Ерусалим дийўалларының Кең дийўалға дейинги аралығын қайта тикледи. 9Олардың жанындағы бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хур улы Рефая дүзетти. 10Олардан кейинги бөлекти, өз үйиниң қарама-қарсысын Харумаф улы Едая, ал оннан кейинги бөлекти Хашабния улы Хаттуш дүзетти. 11Харим улы Малкия менен Пахат-Моаб улы Хашшуб басқа бир бөлекти ҳәм Тандырлар минарасын дүзетти. 12Кейинги бөлекти Ерусалим үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Ҳаллохеш улы Шаллум өз қызлары менен бирге дүзетти.
13Ханун ҳәм Заноах турғынлары Ойпатлық дәрўазасын дүзетти. Олар дәрўаза бөренелерин қойып, қапыларын қурды, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Және де, олар дийўалдың Тезек дәрўазасына шекемги мың шығанақ аралығын дүзетти.
14Ал Тезек дәрўазасын Бейт-Ҳаккерем үлкесиниң басқарыўшысы Рехаб улы Малкия дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты.
15Булақ дәрўазасын Миспа үлкесиниң басқарыўшысы Кол-Хозе улы Шаллун дүзетти. Ол дәрўазаны қурып, үстин жаўды, қапыларын, қулып ҳәм тәмбилерин орнатты. Ол патша бағының қасындағы Шелах ҳаўызының дийўалын да Даўыттың қаласынан төменге түсетуғын текшеге шекем дүзетти. 16Оның жанындағы бөлекти, яғный Даўыттың мазарының қарама-қарсысына шекемги орыннан ҳаўызға ҳәм Батырлар үйине дейинги аралықты Бейт-Сур үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Азбуқ улы Нехемия дүзетти.
17Оның жанындағы бөлекти Баний улы Рехумның басшылығында лебийлилер дүзетти. Оннан кейинги бөлекте Кеила үлкесиниң ярымының басқарыўшысы Хашабия өз үлкеси атынан дүзетиў ислерин алып барды. 18Оннан кейинги бөлекти Хашабияның туўысқанлары Кеила үлкесиниң қалған ярымының басқарыўшысы Хенадад улы Биннуй[4] басшылығында дүзетти. 19Оннан кейин Миспаның басшысы Ешуа улы Эзер қурал-жарақ сақлаў бөлмесине көтерилетуғын жолдың алдынан дийўалдың мүйешине шекемги аралықты дүзетти. 20Оннан кейин мүйештен баслап, бас руўханий Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзына дейинги аралықты Заббай улы Барух ықлас пенен дүзетти. 21Оның жанындағы Эляшибтиң үйиниң қапысының кирер аўзынан баслап, оның үйиниң ақырына шекемги аралықты Ҳаққостың ақлығы Урияның улы Меремот дүзетти.
22Оннан кейинги бөлекти дөгеректеги аймақлардан келген руўханийлер дүзетти. 23Олардан кейин Бенямин ҳәм Хашшуб өз үйлериниң қарсы алдындағы бөлекти, ал олардан кейин Ананияның ақлығы Маасеяның улы Азария өз үйиниң жанындағы бөлекти дүзетти. 24Оннан кейин Азарияның үйинен дийўалдың мүйешине ҳәм айланбасына шекемги аралықты Хенадад улы Биннуй дүзетти. 25Мүйештиң ҳәм сақшылар ҳәўлисиндеги патшаның жоқарғы сарайына шығатуғын минараның қарсысын Узай улы Палал дүзетти. Оннан кейин Парош улы Педая 26Офелде жасайтуғын Ибадатхана хызметшилери менен бирге шығыс тәрептеги Суў дәрўазасының қарсы алдына ҳәм Шығыңқы минарасына шекемги аралықты дүзетти.
27Шығыңқы минарасының қарсысынан Офел дийўалына шекемги басқа бөлекти теқоалылар дүзетти. 28Руўханийлер Ат дәрўазасының жоқарысын, ҳәр бири өз үйиниң қарсы алдын дүзетти. 29Олардан кейин Иммер улы Садоқ өз үйиниң қарсысын, оннан кейинги бөлекти шығыстағы дәрўазаның қараўылы Шекания улы Шемая дүзетти. 30Оннан кейинги басқа бир бөлекти Шелемия улы Ханания ҳәм Салафтың алтыншы улы Ханун дүзетти. Олардан кейин Берехия улы Мешуллам өз бөлмесиниң қарсы алдын дүзетти. 31Оннан кейин Мифкад дәрўазасына қарсы турған Ибадатхана хызметшилери менен саўдагерлердиң үйине ҳәм мүйештеги жоқарғы бөлмеге шекемги аралықты зергер Малкия дүзетти. 32Ал мүйештеги жоқарғы бөлмеден Қой дәрўазасына шекемги аралықты зергерлер ҳәм саўдагерлер дүзетти.

 

4

 

Қайта қурыў исине қарсы шыққанлар

 

1Санбаллат бизлердиң дийўалды қайта қурып атырғанымызды еситкенде, қаны қайнап, ғәзепке минди ҳәм яҳудийлерди масқаралай баслады. 2Ол өз шериклери менен Самария ләшкерлери алдында былай деди: «Мына бийшара яҳудийлер не ислеп атыр? Ырасында да, олар өз дийўалын қайта тиклемекши ме? Ырасында да, олар қурбанлық бермекши ме? Булар не, бир күн ишинде қурылысты питкермекши ме? Ырасында да, олар жанып, үйилген шығындыға айланған тасларды жанландырмақшы ма?»
3Санбаллаттың жанында турған аммон халқынан болған Тобия да: «Қурып атырған дийўалына қараңлар! Егер бир түлки келип үстине минсе, тас дийўалы тас-талқан болады», – деди.
4Сонда мен былай деп дуўа еттим: «О, Қудайымыз, бизлерге қулақ сал! Бизлер хорланып атырмыз. Олардың бизлерге көрсеткен хорлығын өзлериниң басына жаўдыр ҳәм олар да тутқын болып, жат елде таланатуғын болсын. 5Олардың айыпларын жаўып, гүналарын кеширип, көз алдыңнан өширип таслай гөрме! Себеби олар қурылысшылардың арына тийди».
6Деген менен, бизлер дийўал қурылысын даўам еттик. Халық бар ықласы менен ислегенликтен, пүткил дийўалды оның ярымына дейин тикледик.
7Бирақ Санбаллат, Тобия, араблар, аммонлар ҳәм ашдодлылар Ерусалим дийўалларының тиклениў ислериниң алға илгерилеп, бузылған жерлериниң пителип атырғанын еситкенде, қатты ашыўланды. 8Олар ҳәммеси бирге келип, Ерусалимге қарсы урыс ашыўға ҳәм ол жерде тәртипсизликти келтирип шығарыўға келисип алды. 9Сонда бизлер Қудайымызға дуўа етип, олардан қорғаныў ушын күни-түни сақшылар қойдық.
10Бирақ яҳудалылар тоңқылдап:

 

«Жүк тасыўшылар ҳалдан тайды,
шығынды болса жүдә көп.
Сонлықтан өз күшимиз бенен
дийўалды қайта қура алмаймыз», – деди.

 

11Ал душпанларымыз болса: «Бизлерди билип, көрип қоймасынан бурын араларына кирип алып, оларды өлтирейик ҳәм исти тоқтатайық», – деп атыр.
12Олардың жанында жасайтуғын яҳудийлер келип, бизлерге: «Олар ҳәр тәрептен сизлерге бастырып келмекши», – деп он мәртелеп айтты.
13Сол себепли дийўалдың ең пәс, ашық жерлериниң артына қылыш, найза ҳәм оқ жай менен қуралланған адамларды тийрелери бойынша орналастырдым. 14Буларды көрип шыққаннан соң, ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа: «Олардан қорқпаңлар. Уллы ҳәм айбатлы Ийемизди еске алыңлар. Туўысқанларыңыз, ул-қызларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм үйлериңиз ушын урысыңлар», – дедим.
15Өзлериниң нийетлеринен хабардар екенимиз ҳәм Қудай оларды пушқа шығарғаны душпанларымыздың қулағына жетип барды. Сонда бизлер ҳәммемиз дийўалға, ҳәр биримиз өз исимизге қайттық.
16-17Сол күннен баслап, адамларымның ярымы қурылыста иследи, ярымы найза, қалқан, оқ жай услап, саўыт кийди. Ал басшылар дийўал қурып атырған пүткил Яҳуда халқының артында турды. Дийўал қурыўшылар ҳәм жүк тасыўшылар бир қолы менен жумыс ислеп, екинши қолына қуралын алып жүрди. 18Ҳәр бир қурылысшы белине қылышын байлап алып, жумыс иследи. Кәрнай шертетуғынлар мениң жанымда жүрди. 19Мен ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай дедим: «Жумыс көлеми үлкен ҳәм кең. Бизлер дийўал бойлап жайылып кетип, бир-биримизден узақласып баратырмыз. 20Сонлықтан қай жерден кәрнай сестин еситсеңиз, сол жерге, қасымызға жыйналыңлар. Қудайымыз бизлер ушын урысады».
21Бизлер жумысты азанда ерте, күн шыққаннан баслап, кеште кеш, жулдызлар шыққанда тамамладық. Адамлардың ярымы бәрқулла сақшылықта турды. 22Сол ўақытлары мен халыққа және: «Ҳәр бир адам өз хызметшилери менен бирге Ерусалимде түнесин. Олар түнде қараўыллықта турып, күндиз жумыс ислесин», – дедим.
23Мен де, туўысқанларым да, хызметшилерим де, жанымдағы қараўыллар да, ҳеш биримиз кийимлеримизди шешпедик. Ҳәр бир адамның қуралы қолында болды.

 

5

 

Нехемияның жарлыларға жәрдем бериўи

 

1Сол ўақытлары халық ишинде, еркеклер ҳәм олардың ҳаяллары арасында өз туўысқанлары болған яҳудийлерге деген күшли наразылық жүзеге келди. 2Олардың базылары: «Бизлер көпшиликпиз, ул-қызларымыз көп. Нан таўып жеп, тиришилик етиўимиз ушын бизге бийдай керек», – деди.
3Ал базылары болса: «Ашлық ўақытта нанымызды табыў ушын, атызларымызды, жүзимзарларымызды ҳәм үйлеримизди гиреўге берип атырмыз», – деди.
4Және басқалары болса: «Патшаға салық төлеў ушын атызларымыз ҳәм жүзимзарларымыз үстинен үстеме пул алдық. 5Бизлердиң яҳудий туўысқанларымыз бенен қанымыз бир, балаларымыздың да олардың балаларынан айырмашылығы жоқ. Бирақ бизлер ул-қызларымызды қул етип сатыўға мәжбүр болып атырмыз, қызларымыздың айырымлары әлле қашан шорылыққа сатылды. Атыз ҳәм жүзимзарларымыз енди басқалардың қолына өткенликтен, бизлер шарасыз қалдық», – деди.
6Мен олардың наразылығы менен усындай сөзлерин еситкенимде, қатты ашыўландым. 7Бираз ойландым, кейин ақсүйеклер менен басшыларға кейип:
– Сизлер өз туўысқанларыңыздан үстеме алып атырсызлар ма? – дедим. Мен усы мәселеге байланыслы үлкен жыйын топладым. 8Соңынан жыйналғанларға:
– Бизлер басқа халықларға сатылған яҳудий туўысқанларымызды күшимиз жеткенше қайтарып сатып алдық. Ал сизлер болсаңыз, өз туўысқанларыңызды сатып атырсызлар. Оларды және сатып алыўымыз ушын ба? – дедим. Олар жуўап таппай, үнсиз турды.
9Мен оларға және былай дедим:
– Ислеп атырғаныңыз жақсы ис емес. Бизге душпан болған халықларға масқара болмаў ушын, Қудайдан қорқып жасаў керек емес пе еди? 10Мениң өзим, туўысқанларым ҳәм хызметкерлерим менен бирге халыққа қарызға пул ҳәм бийдай берип атырмыз. Бирақ ендигиден былай ол ушын үстеме алыўды тоқтатайық! 11Ҳәзирден-ақ оларға өзлериңиз тартып алған атызларын, жүзим ҳәм зәйтүн бағларын, үйлерин, үстеме ушын төлеген гүмислерин[5], бийдайын, шарап ҳәм майларын қайтарып бериңлер.
12Олар:
– Қайтарып беремиз, олардан ҳеш нәрсе талап етпеймиз. Сизиң айтқаныңыздай қыламыз, – деди. Сонда мен руўханийлерди шақыртып, руўханийлердиң алдында ақсүйеклер менен басшыларға берген ўәдесинде туратуғыны туўралы оларға ант иштирдим. 13Соңынан шапанымның белбеўлигин шешип қағып:
– Өз ўәдесинде турмаған адамды Қудай үй-жайынан ҳәм ийелигинен айырып, дымсыз қалдырсын, – дедим. Пүткил жыйналғанлар:
– Аўмийин, – деди ҳәм Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Халық берген ўәдесинде турды.
14Және де, өзим Яҳуда жерине ҳәким болып тайынланған күннен баслап он еки жыл даўамында, яғный Артаксеркстиң патшалығының жигирмаланшы жылынан отыз екинши жылына шекем мен де, туўысқанларым да ҳәкимге арналған азық-аўқаттан жемедик. 15Меннен бурынғы ҳәкимлер халыққа аўырманлық жүклеп, нан менен шараптан тысқары олардан қырқ шекел гүмис те алған екен. Ҳәтте, олардың хызметшилери де халыққа өз ҳүкимин өткерген екен. Бирақ мен Қудайдан қорққанлықтан, булай ислемедим. 16Оның орнына мен бар күшимди дийўалдың қурылысына бағышладым. Хызметкерлеримниң ҳәммеси истиң басына жыйналды. Бизлер бирде бир атыз сатып алмадық.
17Айланамыздағы басқа халықлардан келгенлерди есапқа алмағанның өзинде, яҳудийлерден ҳәм лаўазымлы адамлардан бир жүз елиў адам мениң дастурханымнан аўқатланатуғын еди. 18Бир күнлик аўқат ушын бир өгиз, алты семиз қой ҳәм бир қанша таўықлар писирилетуғын, және ҳәр он күнде бир рет мол етип, түрли-түрли шараплардан берилетуғын еди. Деген менен, мен үлке ҳәкимине тийисли аўқатты талап етпедим, онысыз да халықтың жүги аўыр еди.
19О, Қудайым! Бул халық ушын ислеген ислеримди мениң ийгилигим ушын еске ала гөр!

 

6

 

Нехемияға қарсы тил бириктириў

 

1Дийўалларды қурып, бузылған жерлериниң бирде биреўин қалдырмай, толық оңлап болғаным Санбаллат, Тобия, араб халқынан болған Гешем ҳәм басқа душпанларымның қулағына жетип барды. Бирақ ол ўақытта, мен еле дәрўазалардың қапыларын орнатып болмаған едим. 2Сонда Санбаллат пенен Гешем маған адам жиберип: «Оно тегислигиндеги аўыллардың биринде[6] ушырасайық», – деди. Олар маған зыян келтириў нийетинде еди. 3Сонлықтан мен де оларға хабаршылар жиберип: «Мен үлкен бир ис пенен бәнтпен. Сонлықтан бара алмайман. Не ушын мен исти таслап, сизлерге барыўым ҳәм жумысты тоқтатыўым керек?» – дедим. 4Олар төрт мәрте сол хабарды жиберди, мен де төрт мәрте солай жуўап қайтардым.
5Сонда бесинши рет Санбаллат маған өз хызметшисин жиберди. Оның қолында мөрленбеген ашық хат бар еди. 6Хатта былай деп жазылған еди:

 

«Басқа халықлар арасында хабарлар тараған, Гешем де буны тастыйықлайды. Сен ҳәм яҳудийлер қозғалаң көтериўди ойлап атырсызлар. Сол себептен сизлер дийўалларды қайта тиклеп атырған екенсиз. Усы хабарларға қарағанда, сен оларға патша болмақшы екенсең. 7Және де, өзиң ҳаққында: „Яҳуданың өз патшасы бар!“ деп жәриялаўы ушын, сен пайғамбарларды да тайынлапсаң. Бул сөзлер, әлбетте, патшаның қулағына жетип барады. Сонлықтан кел, бирге кеңесип алайық».

 

8Мен оған адам жиберип: «Айтқанларыңның ҳәммеси жалған, буларды сен өзиң ойлап шығарғансаң», – деп жуўап бердим.
9Олардың ҳәммеси бизлерди қорқытпақшы болып: «Қолларын истен суўытсақ, ис тоқтайды», – деп ойлаған еди. Буған қарсы, мен Қудайдан қолларыма күш бериўин сорадым. 10Бир күни мен Меҳетабелдиң ақлығы Делая улы Шемаяның үйине бардым. Ол үйине тығылып алған еди. Ол маған:
– Кел, Қудайдың Үйинде, Ибадатхананың ишинде ушырасып, есиклерин тас қылып, илдирип алайық. Себеби олар сени өлтириў ушын кележақ, түнде сени өлтириўге келеди, – деди.
11Бирақ мен оған:
– Мен қашып кететуғын адамға уқсайман ба? Яки тири қалыў ушын, Ибадатханаға жасырынатуғын адамға уқсайман ба? Бармайман, – дедим. 12Мен оны Қудайдың жибермегенин, бирақ оны Тобия менен Санбаллат параға сатып алғанлықтан, ол маған қарсы усындай жалған пайғамбаршылық сөзлерин айтқанын түсинип жеттим. 13Олар мени қорқытыў ушын ҳәм қорққанымнан оның айтқанын қылып, гүна ислеўим ушын, Шемаяны жаллаған еди. Сонда мени жаманлап, абырайымды төгиў ушын себеп табылар еди.
14Мен былай деп дуўа еттим: «О, Қудайым, Тобия менен Санбаллаттың ислеген ислерин умыта гөрме! Сондай-ақ мени қорқытпақшы болған пайғамбар ҳаял Ноадияны ҳәм басқа пайғамбарларды да есиңде сақлай гөр!»

 

Дийўал қурылысының жуўмақланыўы

 

15Дийўал Элул айының жигирма бесинши сәнесинде[7], елиў еки күнде питкерилди. 16Барлық душпанларымыз бул ҳаққында еситкенде, әтирапымыздағы халықлардың ҳәммеси қорқып кетти ҳәм олардың қатты еңсеси түсти. Себеби олар бул истиң Қудайымыздың жәрдеминде исленгенин түсинди.
17Буннан тысқары, сол күнлери Яҳуда ақсүйеклери Тобияға көп хатлар жазған болып, Тобиядан да оларға хатлар келип турды. 18Тобия Арах улы Шеканияның күйеў баласы болғанлықтан ҳәм Тобияның улы Еҳоханан Берехия улы Мешулламның қызына үйленгенликтен, Яҳудадағы көп адамлар оның менен нан сындырысып, ант ишискен еди. 19Ҳәтте, олар Тобияның жақсы ислери ҳаққында маған айтатуғын, мениң айтқанларымды да оған жеткерип туратуғын еди. Тобия да мени қорқытыў ушын хатлар жиберип туратуғын еди.

 

7

 

1Қала дийўалы қурылып, дәрўазаның қапылары орнатылып болынғаннан соң, дәрўаза қараўыллары, қосықшылар ҳәм лебийлилер хызметке қойылды. 2Мен туўысқаным Хананийге ҳәм қорғанның әскербасысы Хананияға Ерусалимге жетекшилик етиўди тапсырдым. Әскербасы Хананий басқаларға қарағанда садық ҳәм Қудайдан қорқатуғын адам еди. 3Мен оларға былай дедим: «Күн қатты қызған ўақытта, Ерусалим дәрўазалары жабық турсын. Дәрўаза қараўыллары хызметте турғанда қапылар жабылып, илдирип қойылсын. Қараўыллар Ерусалим турғынларынан тайынлансын. Олардың айырымлары нәўбетшиликте турсын, ал айырымлары өз үйиниң қарсы алдын қараўылласын».

 

Сүргиннен қайтып келгенлердиң дизими

 

4Ерусалим кең ҳәм уллы қала еди. Бирақ оның халқы аз болып, қурылған жайлар да еле аз еди. 5Сонда Қудайым мениң жүрегиме ақсүйеклерди, басшыларды ҳәм халықты жыйнап, оларды шежиреси бойынша дизимге алыўды салды. Мен сүргиннен биринши болып қайтып келгенлердиң жазба түрдеги шежиресин таптым. Онда былай деп жазылған еди:

 

6Бабилон патшасы Набуходоносордың Бабилонға тутқын етип алып кеткен адамлары сүргин етилип, тутқында болған ўәлаятлардан Ерусалимге ҳәм Яҳудадағы өз қалаларына қайтып келди. 7Олар Зеруббабел, Ешуа, Нехемия, Азария, Раамия, Нахманий, Мордохай, Билшан, Мисперет, Бигўай, Нехум ҳәм Баананың басшылығында қайтып келди.
Сүргиннен қайтқан Израил ерлериниң дизими төмендегише:

 

8Парош урпақларынан – 2172 адам;
9Шефатия урпақларынан – 372 адам;
10Арах урпақларынан – 652 адам;
11Пахат-Моаб, яғный Ешуа ҳәм Йоаб урпақларынан – 2818 адам;
12Элам урпақларынан – 1254 адам;
13Затту урпақларынан – 845 адам;
14Заккай урпақларынан – 760 адам;
15Биннуй урпақларынан – 648 адам;
16Бебай урпақларынан – 628 адам;
17Азгад урпақларынан – 2322 адам;
18Адониқам урпақларынан – 667 адам;
19Бигўай урпақларынан – 2067 адам;
20Адин урпақларынан – 655 адам;
21Атер, яғный Хизкия урпақларынан – 98 адам;
22Хашум урпақларынан – 328 адам;
23Бетсай урпақларынан – 324 адам;
24Хариф урпақларынан – 112 адам;
25Гибон урпақларынан – 95 адам;
26Бейтлеҳемлилер менен нетофалылардан – 188 адам;
27Анатотлылардан – 128 адам;
28Бейт-Азмаўетлилерден – 42 адам;
29Кирят-Яримлилерден, кефиралылардан ҳәм бееротлылардан – 743 адам;
30Рамалылардан ҳәм гебалылардан – 621 адам;
31Михмаслылардан – 122 адам;
32Бейт-Эллилерден ҳәм айлылардан – 123 адам;
33Басқа неболылардан – 52 адам;
34Басқа эламлылардан – 1254 адам;
35Харимлилерден – 320 адам;
36Ерихолылардан – 345 адам;
37Лодлылардан, хадидлилерден ҳәм онолылардан – 721 адам;
38Сеналылардан – 3930 адам;

 

39Руўханийлер:

 

Ешуа нәсилинен болған Едая урпақларынан – 973 адам;
40Иммер урпақларынан – 1052 адам;
41Пашхур урпақларынан – 1247 адам;
42Харим урпақларынан – 1017 адам.

 

43Лебийлилер:

 

Ҳодеўа нәсилинен тараған Ешуа ҳәм Қадмиел урпақларынан – 74 адам.

 

44Қосықшылар:

 

Асаф урпақларынан – 148 адам;

 

45Дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Атер, Талмон, Аққуб, Хатита ҳәм Шобай урпақларынан – 138 адам.
46Ибадатхана хызметшилери:

 

Сиха урпақларынан, Хасуфа урпақларынан, Таббаот урпақларынан,
47Керос урпақларынан, Сиа урпақларынан, Падон урпақларынан,
48Лебана урпақларынан, Хагаба урпақларынан, Шалмай урпақларынан,
49Ханан урпақларынан, Гиддел урпақларынан, Гахар урпақларынан,
50Реая урпақларынан, Ресин урпақларынан, Неқода урпақларынан,
51Газзам урпақларынан, Узза урпақларынан, Пасеах урпақларынан,
52Бесай урпақларынан, Меуним урпақларынан, Нефушесим урпақларынан,
53Бақбуқ урпақларынан, Хақуфа урпақларынан, Хархур урпақларынан,
54Баслит урпақларынан, Мехида урпақларынан, Харша урпақларынан,
55Барқос урпақларынан, Сисера урпақларынан, Темах урпақларынан,
56Незиах урпақларынан ҳәм Хатифа урпақларынан еди.

 

57Сулайманның хызметшилериниң урпақлары:

 

Сотай урпақларынан, Соферет урпақларынан, Перида урпақларынан,
58Яла урпақларынан, Дарқон урпақларынан, Гиддел урпақларынан,
59Шефатия урпақларынан, Хаттил урпақларынан, Покерет-Ҳассебайым урпақларынан ҳәм Амон урпақларынан еди.

 

60Ибадатхана хызметшилери менен Сулайманның хызметшилериниң урпақларынан барлығы болып 392 адам еди.
61Тел-Мелах, Тел-Харша, Керуб, Аддон ҳәм Иммер қалаларынан көшип келген, бирақ өзлериниң шығысын ҳәм Израилдың қайсы урыўына тийисли екенин дәлиллей алмағанлар мыналар еди:

 

62Делая, Тобия ҳәм Неқода урпақларынан – 642 адам.

 

63Сондай-ақ руўханийлер нәсилинен болған Хабайя урпақлары, Ҳаққос урпақлары ҳәм гиладлы Барзиллайдың қызларының бирине үйленип, қәйин атасының аты менен аталған Барзиллай урпақлары. 64Булар жазба шежиреден өз шығысын изледи, бирақ таба алмағанлықтан қаны таза емес деп, руўханийлик хызметинен шетлетилди. 65Ҳәким оларға Урим ҳәм Туммимнен пайдалана алатуғын руўханий шықпағанша, тек руўханийлерге берилетуғын ең мухаддес тағамнан жемеўди буйырды.
66Пүткил жәмийет ҳәммеси болып 42 360 адам еди. 67Булардан тысқары, олардың 7337 қул ҳәм шорылары, 245 еркек ҳәм ҳаял қосықшылары да бар еди. 68Және де, 736 аты, 245 ғашыры, 69435 түйеси ҳәм 6720 ешеги бар еди.
70Айырым әўлад басшылары исти жүргизиў ушын сыйлар берди. Ҳәким қазнаға 1000 дарик[8] алтын, 50 табақ, 530 дана руўханийлик кийимин берди.
71Айырым әўлад басшылары истиң жүриўи ушын қазнаға 20 000 дарик[9] алтын, 2200 мина[10] гүмис берди. 72Ал халықтың қалған бөлеги 20 000 дарик[11] алтын, 2000 мина[12] гүмис ҳәм 67 руўханийлик кийимин берди.
73Солай етип, руўханийлер, лебийлилер, дәрўаза қараўыллары, қосықшылар, айырым адамлар, Ибадатхана хызметшилери ҳәм пүткил Израил халқы өз қалаларына орналасты.

 

8

 

Эзраның Нызам китабын халыққа оқып бериўи

 

1Израиллылар қалаларына орналасып болғаннан соң, жетинши айда[13] пүткил халық бир адамдай болып Суў дәрўазасының алдындағы майданға жыйналды. Олар улама Эзрадан Жаратқан Ийениң Муўса арқалы Израил халқына берген буйрықлары жазылған Нызам китабын алып келиўди сорады. 2Сонда жетинши айдың биринши күни[14] руўханий Эзра Нызам китабын халық жыйналған жерге алып келди. Еркеклер, ҳаяллар ҳәм тыңлап, оқылғанды түсине алатуғын балалардың ҳәммеси сол жерде еди. 3Эзра Суў дәрўазасы алдындағы майданда еркеклердиң, ҳаяллардың ҳәм түсине алатуғын ҳәр бир адамның алдында күн шыққаннан түске шекем Нызам китабын даўыслап оқыды. Ҳәмме оқылған сөзди дыққат пенен тыңлады.
4Улама Эзра усы ис ушын алдын ала таярланған ағаш минбер үстинде турды. Оның оң тәрепинде Маттития, Шема, Аная, Урия, Хилкия ҳәм Маасея, ал шеп тәрепинде Педая, Мишаел, Малкия, Хашум, Хашбаддана, Зехария ҳәм Мешуллам турды.
5Бийик минберде турған Эзра пүткил халықтың көз алдында китапты ашты. Сонда пүткил халық орнынан турды. 6Эзра уллы Қудайға, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Пүткил халық қолларын көтерип: «Аўмийин, аўмийин», – деп жуўап берди ҳәм ет-бетинен жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды.
7Лебийлилер – Ешуа, Баний, Шеребия, Ямин, Аққуб, Шаббетай, Ҳодия, Маасея, Келита, Азария, Йозабад, Ханан, Пелая өз орынларында тик турған халыққа Нызамды түсиндирди. 8Олар Қудайдың Нызам китабын анық оқып, мәнисин түсиндирип берди ҳәм халық оқылғанды түсинди.
9Нызам сөзлерин еситкенде, пүткил халық жылады. Сонлықтан ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий болған Эзра ҳәм халыққа үйретип турған лебийлилер халыққа: «Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе ушын мухаддес күн. Аза тутып, көз жас төкпеңлер», – деди.
10Кейин Нехемия халыққа былай деди: «Енди үйлериңизге қайтып, майлы аўқатлардан жеп, мазалы ишимликлерден ишиңлер. Аўқат таярламағанларға да сол нәрселерден пай берип жибериңлер. Себеби бүгин Ийемиз ушын мухаддес күн. Қайғырмаңлар, себеби Жаратқан Ийе беретуғын қуўаныш сизлерди күшли қылады».
11Лебийлилер де: «Тынышланыңлар, бүгин мухаддес күн, қайғырмаңлар», – деп халықты тынышландырды. 12Солай етип, пүткил халық жеп-ишиў, басқаларға пайларын бериў ҳәм уллы қуўаныш пенен байрамлаў ушын кетти. Өйткени олар өзлерине айтылғанларды түсинген еди.
13Ертеңине пүткил халықтың әўлад басшылары, руўханийлер ҳәм лебийлилер Нызам сөзлерин үйрениў ушын улама Эзраның жанына жыйналды. 14Олар Нызамда жазылған Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген мына буйрығын тапты: «Израил халқы жетинши айдағы байрам күнлери қосларда жасасын. 15Сонлықтан барлық қалаларда ҳәм Ерусалимде: „Жазылғанға муўапық, таўларға шығып, зәйтүн, жабайы зәйтүн, мирра, пальма ҳәм басқа да жапырақлы ағашлардың шақаларын алып келип, қос қурыңлар“, – деп жар салып, жәриялансын».
16Солай етип, халық барып, шақалар алып келди ҳәм ҳәр бир адам өз тамларының басына, шарбақларына, Қудайдың Ибадатханасының шарбағына, Суў дәрўазасы алдындағы майданға ҳәм Эфрайым дәрўазасының алдындағы майданға өзлери ушын қослар қурып алды. 17Сүргиннен қайтып келгенлердиң ҳәммеси қослар қурып, қосларда жасады. Нун улы Ешуаның дәўиринен усы күнге дейин израиллылар булай ислемеген еди. Олар шексиз қуўанышқа бөленген еди. 18Эзра биринши күннен соңғы күнге дейин, ҳәр күни Қудайдың Нызам китабын оқыды. Олар жети күн байрамлады, ал сегизинши күни қағыйдаға муўапық салтанатлы жыйналыс болды.

 

9

 

Халықтың гүналары ушын тәўбе қылыўы

 

1Жетинши айдың жигирма төртинши күни[15] пүткил Израил халқы ораза тутып, аза кийимин кийген ҳәм басларына топырақ шашқан ҳалда жыйналды. 2Сол ўақытта Израил урпақлары барлық басқа халықлардан айырылып шықты. Олар өзлериниң гүналарын ҳәм ата-бабалары ислеген жаман ислерди ашық мойынлады. 3Олар өз орынларында турып, үш саатты өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң Нызам китабын оқыў менен, ал үш саатты гүнаны ашық мойынлаў ҳәм өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў менен өткизди. 4Ешуа, Баний, Қадмиел, Шебания, Бунний, Шеребия, Баний ҳәм Кенаний лебийлилер ушын ажыратылған сыпаның үстине шығып, Қудайы Жаратқан Ийеге қатты даўыслап жалбарынды.
5Кейин лебийлилер Ешуа Қадмиел, Баний, Хашабния, Шеребия, Ҳодия, Шебания, Петахия былай деди: «Турып, мәңгиге бар болған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтыңлар». Олар былай деп дуўа етти:

 

«Бизлердиң тәрийиплеўлеримизден де, алғыс-мақтаўларымыздан да уллы болған Оның даңқлы атына алғыс-мақтаўлар айтыңлар!
6Жаратқан Ийе, Сен жалғызсаң. Сен аспанды, аспанның аспанын, олардағы пүткил барлықты, жерди ҳәм ондағы барлық нәрсени, теңизлерди ҳәм олардың ишиндеги барлық нәрсени жараттың. Ҳәммесине Сен жан бердиң, пүткил аспан денелери саған сыйынады.
7Қудай Ийе, Сен Өзиң Ибрамды таңлап алып, халдейлердиң Ур қаласынан алып шықтың ҳәм оған Ибрайым деген жаңа ат бердиң. 8Оны алдыңда садық деп таптың ҳәм оның урпақларына кенаан, хетт, амор, периз, ебус ҳәм гиргаш халықларының жерлерин бериў ушын, оның менен келисим дүздиң. Сен ўәдеңди орынладың, себеби Сен әдилсең.
9Сен ата-бабаларымыздың Мысырда шеккен азапларын көрдиң ҳәм Қамыс теңизи[16] жанындағы олардың дад-пәриядын еситтиң. 10Менменсип, ата-бабаларымызға жәбир көрсеткени ушын, Сен фараонға, оның барлық хызметкерлерине ҳәм сол жердеги оның пүткил халқына кәраматлы белгилер ҳәм кәраматлар көрсеттиң. Сол себепли бүгинге дейин Өзиңниң даңқлы атыңды сақлап қалдың. 11Сен ата-бабаларымыздың көз алдында теңизди екиге айырдың ҳәм олар теңизди қурғақ жер арқалы кесип өтти. Ал оларды қуўғанларды болса, терең суўға ылақтырылған тас киби теңиз түбине батырып жибердиң. 12Күндиз минара сыяқлы булт болып, түнде олардың жүретуғын жолларына жақты түсириў ушын минара сыяқлы от болып, ата-бабаларымызға жол көрсеттиң.
13Сен Синай таўына түсип, аспаннан олар менен сөйлестиң ҳәм оларға әдил нызамлар, дурыс көрсетпелер, ийгиликли қағыйдалар ҳәм буйрықлар бердиң. 14Оларға Өзиңниң мухаддес Шаббат[17] күниңди билдирдиң. Қулың Муўса арқалы буйрықлар, қағыйдалар ҳәм нызамлар бердиң. 15Аш болғанында, аспаннан нан жаўдырдың, шөллегенинде, жартастан суў шығарып бердиң. Сен оларға Өзиң беремен деп ант ишкен жерге барыўды ҳәм сол жерди ийелеўди буйырдың.
16Бирақ ата-бабаларымыз тәкаббирлик ҳәм қайсарлық қылып, буйрықларыңа бойсынбады. 17Олар бойсыныўдан бас тартып, Сениң өзлериниң көз алдында ислеген кәраматларыңды умытты. Олар менменлик етти ҳәм Мысырдағы қуллыққа қайтыў ушын өзлерине бир басшы қойып алып, Саған қарсы бас көтерди. Бирақ Сен кеширетуғын, мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги шексиз Қудай болғанлықтан, оларды таслап кетпедиң. 18Ҳәтте, ата-бабаларымыз өзлерине тананың мүсинин ислеп алып: „Мине, бизлерди Мысырдан алып шыққан қудайымыз“, – деп Сени қатты хорлады.
19Бирақ Сениң реҳимлилигиң уллы болғанлығы себепли, оларды шөлде таслап кетпедиң. Күндиз оларға жол көрсетиўши минара сыяқлы булт та, түнде олардың жүретуғын жолларына жақты түсириўши минара сыяқлы от та оларды тәрк етпеди. 20Сен оларға тәлим бериў ушын, Өзиңниң ийгиликли Руўхыңды бердиң. Аўызларынан маннаны[18] тартып алмадың, шөлин қандырыў ушын суў да бердиң. 21Шөлде Сен оларды қырқ жыл бақтың: олар ҳеш нәрседен кемлик көрмеди, кийимлери де тозбады, аяқлары да қабармады.
22Сен оларға патшалықлар менен халықларды тәслим етип, олардың барлық жерлерин бөлистирип бердиң. Олар Хешбон патшасы Сихонның ҳәм Башан патшасы Огтың жерлерине ийелик етти. 23Сен олардың урпақларын аспандағы жулдызлардай етип көбейттиң ҳәм оларды ата-бабаларына: „Кирип, ийелик етиңлер“, деген жерге алып келдиң. 24Олардың урпақлары сол жерге кирип, оны ийеледи. Сен оларға сол жердиң турғынлары болған кенаанлыларды бойсындырдың ҳәм қәлегенин қылыў ушын, кенаанлылардың патшалары менен халқын оларға тәслим еттиң. 25Олар қорған қалаларды, өнимдар жерлерди басып алды ҳәм түрли жақсы затлар менен толтырылған үйлерди, қазылған суў сақлағышларды, жүзимзарларды, зәйтүн бағларын ҳәм көп санлы мийўе ағашларын ийеледи. Олар жеп тойды, семирди ҳәм Сениң уллы ийгилигиңнен рәҳәтленди.
26Бирақ олар бойсынбай, Саған қарсы бас көтерди. Олар Сениң Нызамыңа арқасын бурып, Саған қайтыўға шақырған пайғамбарларыңды өлтирди. Усылай олар Саған қатты тил тийгизди. 27Сонлықтан Сен оларды душпанларының қолына бердиң, душпанлары оларды езди. Олар азап шеккен ўақытларында, Саған жалбарынды. Сен оларды аспаннан еситтиң ҳәм Өзиңниң уллы реҳимиң менен оларға қутқарыўшыларды жибердиң. Қутқарыўшылар оларды душпанларының қолынан қутқарды.
28Бирақ олар тынышлыққа ерискеннен соң, және Сениң көз алдыңда жаман ислерди иследи. Сол себепли Сен оларды қайтадан душпанларының қолына бердиң ҳәм душпанлары олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар және Саған жалбарынғанда, Сен оларды аспаннан еситтиң ҳәм Өзиңниң уллы реҳимиң менен оларды көп мәрте қутқарып алдың.
29Сен оларды Өз Нызамыңа қайтарыў ушын ескертсең де, қайсарлық етип, буйрықларыңа бойсынбады ҳәм қағыйдаларыңнан жүз бурып, гүна иследи. Егер оларды орынлағанда, өмирге ерисер еди. Бирақ олар Саған терис қарады ҳәм менменсип, бойсыныўдан бас тартты. 30Жыллар бойы оларды шыдамлылық пенен күттиң. Өз Руўхың менен пайғамбарларың арқалы оларға ескерттиң. Бирақ олар тыңламады. Сонлықтан Сен оларды айналасындағы халықларға тәслим еттиң. 31Бирақ Өзиңниң уллы реҳимлилигиң себепли, оларды толық жоқ қылмадың ҳәм тәрк етпедиң. Себеби Сен мийримли ҳәм реҳимли Қудайсаң.
32О, Қудайымыз! Сен келисимине ҳәм сүйиспеншилигине садық болған мийримли, уллы, қүдиретли ҳәм айбатлы Қудайсаң! Ассирия патшаларының дәўиринен бүгинге дейин бизлер шеккен азаплар, патшаларымыз, басшыларымыз, руўханийлеримиз, пайғамбарларымыз, ата-бабаларымыз ҳәм пүткил халқымыз шеккен азаплар Сениң нәзериңде аз болып көринбегей. 33Басымызға түскен ҳәр бир исте Сен әдил болдың. Өйткени Сен садықлық пенен ис тутсаң да, бизлер жаўызлық ислей бердик. 34Патшаларымыз, басшыларымыз, руўханийлеримиз ҳәм ата-бабаларымыз Сениң Нызамың бойынша жасамады, Сен берген буйрық ҳәм ескертиўлерге қулақ аспады. 35Олар өз патшалықларында, Сен берген уллы жақсылық ишинде жасаса да, кең ҳәм өнимдар жерлерди ажыратып берсең де, олар Саған қулақ аспады ҳәм өзлериниң жаўыз ислеринен қайтпады.
36Мине, бүгин бизлер қулмыз. Мийўелеринен жеп, ийгилигинен татсын деп ата-бабаларымызға берген жериңде қул болып жасап атырмыз. 37Гүналарымыз себепли, жеримиздиң мол ҳасылын үстимизден Өзиң қойған патшаларға беремиз. Олар өзлеримизди де, малларымызды да қәлегенинше басқарады. Бизлер қатты азап шегип атырмыз».

 

Халықтың миннетлеме алыўы

 

38«Усы ислер себепли бизлер жазба түрде қатал миннетлеме аламыз. Оған басшыларымыз, лебийлилеримиз ҳәм руўханийлеримиз қол қойып, мөр басады».

 

10

 

1Миннетлемеге мөр басқанлар мыналар еди:

 

Хахалия улы ҳәким Нехемия ҳәм Седекия.

 

2Руўханийлер:
Серая, Азария, Еремия, 3Пашхур, Амария, Малкия, 4Хаттуш, Шебания, Маллух, 5Харим, Меремот, Обадия, 6Даниел, Гиннетон, Барух, 7Мешуллам, Абия, Миямин, 8Маазия, Билгай, Шемая.
9Лебийлилер:
Азания улы Ешуа, Хенадад урпақларынан Биннуй, Қадмиел, 10олардың туўысқанлары: Шебания, Ҳодия, Келита, Пелая, Ханан, 11Миха, Рехоб, Хашабия, 12Заккур, Шеребия, Шебания, 13Ҳодия, Баний, Бенину,
14Халық басшылары:
Парош, Пахат-Моаб, Элам, Затту, Баний, 15Бунний, Азгад, Бебай, 16Адония, Бигўай, Адин, 17Атер, Хизкия, Аззур, 18Ҳодия, Хашум, Бетсай, 19Хариф, Анатот, Небай, 20Магпиаш, Мешуллам, Хезир, 21Мешезабел, Садоқ, Яддуа, 22Пелатия, Ханан, Аная, 23Ҳошеа, Ханания, Хашшуб, 24Ҳаллохеш, Пилха, Шобек, 25Рехум, Хашабна, Маасея, 26Ахия, Ханан, Анан, 27Маллух, Харим, Баана.
28Қалған халықтың ҳәммеси: руўханийлер, лебийлилер, дәрўаза қараўыллары менен хызметшилери, қосықшылар, Қудайдың Нызамына муўапық басқа халықлардан бөлекленген ҳәр бир адам ҳаяллары ҳәм оқылғанды түсине алатуғын ул-қызлары менен бирге 29өз туўысқанларына, яғный ақсүйеклерге қосылып былай деп ант ишти: «Бизлер Қудайдың Өз қулы Муўса арқалы берген Нызамы бойынша жасаймыз, Ийемиз болған Жаратқан Ийениң барлық буйрықларына, нызам ҳәм қағыйдаларына толық бойсынамыз. Ал бойсынбағанларға нәлет жаўсын! 30Әтирапымыздағы халықлар менен қыз алып, қыз бериспеймиз. 31Егер әтираптағы халықлар Шаббат күни қандай да бир затын ямаса бийдайын сатыў ушын алып келсе, олардан Шаббат күни ямаса қандай да бир мухаддес күнде зат сатып алмаймыз. Ҳәр жети жылдың жетинши жылында бир рет жерди сүрмеймиз ҳәм қарызларымыздан кешемиз. 32Қудайымыздың Ибадатханасындағы хызмет ушын жылына шекелдиң үштен бирин бериў миннетлемесин өзимизге аламыз. 33Бул ақша мухаддес нанлар, күнделикли ғәлле садақалары, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықлар, Шаббат күни, Жаңа ай байрамлары, белгиленген байрамлар, мухаддес садақалар, Израил урпақларының гүнасын кешириў ушын берилетуғын қурбанлықлар ҳәм Қудайымыздың Ибадатханасындағы басқа ислер ушын жумсалады. 34Бизлер – руўханийлер, лебийлилер ҳәм халық биргеликте шек таслаймыз. Ол арқалы Нызамда жазылғанына муўапық, Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жағылатуғын отынды ҳәр жылы белгиленген ўақытта Қудайымыздың Ибадатханасына қайсы әўладтың алып келетуғынын белгилеп аламыз. 35Ҳәр жылы егинимиздиң ҳәм ҳәр бир мийўе ағашымыздың биринши өнимин Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келемиз. 36Нызамда жазылғанындай, туңғыш улларымызды, малларымыздың биринши төллерин, сондай-ақ ири ҳәм майда малларымыздың биринши төллерин Қудайымыздың Ибадатханасына, сол жерде хызмет етип атырған руўханийлерге алып келемиз. 37Және дәслепки тартылған уннан ийленген қамырымызды, басқа өнимлеримизден берилетуғын садақалардың, барлық мийўе ағашларымыздың мийўелериниң, шараптың ҳәм зәйтүн майының дәслепки өнимлерин Қудайымыздың Ибадатханасындағы затлар сақланатуғын бөлмеге қосыў ушын руўханийлерге беремиз. Ал жеримизден өнген өнимнен берилетуғын үсирди лебийлилерге беремиз. Себеби дийханшылық пенен шуғылланатуғын ҳәмме қалалардан алынатуғын үсирди лебийлилер жыйнайды. 38Лебийлилер үсир жыйнап атырғанда, Харон урпағынан болған бир руўханий олардың қасында болады. Лебийлилер өзлери жыйнаған үсирден оннан бирин Қудайдың Ибадатханасындағы затлар сақланатуғын бөлмеге береди. 39Израил халқы ҳәм лебийлилер бийдайдан, жаңа шараптан, зәйтүн майынан берилетуғын садақаларды сол затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келеди. Ол жерде Мухаддесхана буйымлары сақланады. Сондай-ақ руўханийлер, дәрўаза қараўыллары ҳәм қосықшылар хызмет ўақтында сол жерде болады.
Бизлер Қудайымыздың Ибадатханасын қараўсыз қалдырмаймыз».

 

11

 

Ерусалим турғынлары

 

1Халық басшылары мухаддес қала Ерусалимде қалып, сол жерге орналасты. Халықтың оннан бириниң мухаддес қалаға, Ерусалимге келип жасаўы ушын шек тасланды. Ал қалған тоғыз бөлеги өз қалаларында қалды. 2Және Ерусалимде жасап қалыўды қәлегенлердиң ҳәммесине халық пәтия берди.
3Деген менен, базы израиллылар, руўханийлер, лебийлилер, Ибадатхана хызметшилери, Сулайманның хызметшилериниң урпағынан болғанлар өз ийеликлеринде, Яҳуда қалаларында жасады. Ерусалимде жасайтуғын ўәлаят басшылары мыналар еди: 4Яҳуда ҳәм Бенямин урпақларынан базылары Ерусалимге орналасты.
Яҳуда урпақларынан: Перес нәсилинен Атая. Атая Уззия улы, Уззия Зехария улы, Зехария Амария улы, Амария Шефатия улы, Шефатия Маҳалалел улы, Маҳалалел Перес нәсилинен еди. 5Шела нәсилинен Маасея. Маасея Барух улы, Барух Кол-Хозе улы, Кол-Хозе Хазая улы, Хазая Адая улы, Адая Йояриб улы, Йояриб Зехария улы, Зехария Шела нәсилинен еди. 6Перес урпақларынан 468 адам Ерусалимге орналасты. Олар батыр жаўынгерлер еди.
7Бенямин урпағынан:
Мешуллам улы Саллу. Мешуллам Йоед улы, Йоед Педая улы, Педая Қолая улы, Қолая Маасея улы, Маасея Итиел улы, Итиел Ешая улы еди. 8Саллуға Габбай ҳәм Саллай қосылып, ҳәммеси болып 928 адам болды. 9Зихрий улы Йоел оларға басшылық етти, ал Ҳассенуа улы Яҳуда қалада Йоелден кейинги екинши басшы еди.
10Руўханийлерден: Йояриб улы Едая, Яхин, 11Қудайдың Ибадатханасының бас хызметшиси Серая. Серая Хилкия улы, Хилкия Мешуллам улы, Мешуллам Садоқ улы, Садоқ Мерайот улы, Мерайот Ахитуб улы еди. 12Олардың Қудайдың Ибадатханасында хызмет ететуғын туўысқанларының саны 822 адам;
Ерохам улы Адая. Ерохам Пелалия улы, Пелалия Амсий улы, Амсий Зехария улы, Зехария Пашхур улы, Пашхур Малкия улы еди. 13Адаяның әўлад басшылары болған туўысқанлары барлығы болып 242 адам;
Азарел улы Амашсай. Азарел Ахзай улы, Ахзай Мешиллемот улы, Мешиллемот Иммер улы еди. 14Амашсайдың батыр жаўынгер болған туўысқанлары 128 адам. Олардың басшысы Ҳаггедолим улы Забдиел еди.
15Лебийлилерден: Хашшуб улы Шемая. Хашшуб Азриқам улы, Азриқам Хашабия улы, Хашабия Бунний улы еди. 16Лебийлилердиң басшыларынан Шаббетай ҳәм Йозабад. Олар Қудайдың Ибадатханасының сыртқы ислери менен шуғылланатуғын еди. 17Миха улы Маттания тәрийиплеў дуўасын алып барыўшы бас жетекши еди. Миха Забдий улы, Забдий Асаф улы еди. Маттанияның туўысқанларынан бири Бақбуқыя оннан кейинги екинши дәрежели хызметши еди. Және де, Шаммуа улы Абда да бар еди. Шаммуа Галал улы, Галал Едутун улы еди. 18Мухаддес қалада жасайтуғын лебийлилер барлығы болып 284 адам еди.
19Дәрўаза қараўыллары:
Дәрўазаларда Аққуб, Талмон ҳәм олардың туўысқанлары нәўбетшилик ететуғын еди. Олар ҳәммеси болып 172 адам еди.
20Израиллылардың, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң қалғанлары Яҳуданың барлық қалалары бойлап, өз үлесине тийген жерде жасады.
21Ибадатхана хызметшилери Офелде жасады. Оларды Сиха менен Гишпа басқарды.
22Лебийлилердиң Ерусалимдеги басшысы Баний улы Уззий болып, Баний Хашабия улы, Хашабия Маттания улы, Маттания Миха улы еди. Уззий Қудайдың Ибадатханасында қосық айтыў хызметин атқарып келген Асафтың урпақларынан еди. 23Патшаның қосықшыларға берген айрықша пәрманы бар еди. Қосықшыларға ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда қаржы ажыратылған еди.
24Яҳуда улы Зерах урпақларынан Мешезабел улы Петахия Израил халқына байланыслы барлық ислерде Персия патшасының кеңесшиси болды.

 

Ерусалимниң сыртындағылар

 

25Яҳуда урыўының айырым адамлары өз атызларына жақын жердеги қалаларда жасап қалды. Олар: Кирят-Арбада ҳәм оған тийисли аўылларда, Дибонда ҳәм оған тийисли аўылларда, Еқабсеелде ҳәм оған тийисли аўылларда, 26Ешуада, Моладада, Бейт-Пелетте, 27Хасар-Шуалда, Беер-Шебада ҳәм оған тийисли аўылларда, 28Сиклагта, Мехонада ҳәм оған тийисли аўылларда, 29Эн-Риммонда, Сорада, Ярмутта, 30Заноахда, Адулламда ҳәм оған тийисли аўылларда, Лахиште ҳәм оған тийисли атызларда, Азеқада ҳәм оған тийисли аўылларда жасап қалды. Олар Беер-Шебадан Ҳинном ойпатлығына шекемги жерлерге орналасты.
31Бенямин урпақлары Геба, Михмас, Айя, Бейт-Эл ҳәм оның әтирапындағы аўылларда, 32Анатот, Ноб, Анания, 33Хасор, Рама, Гиттайым, 34Хадид, Себоим, Небаллат, 35Лод, Оно ҳәм Өнерментшилер ойпатлығында жасады. 36Яҳуда жеринен келген лебийлилердиң айырым топарлары беняминлилер арасына орналасты.

 

12

 

Руўханийлер менен лебийлилердиң дизими

 

1Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм бас руўханий Ешуа менен бирге сүргиннен қайтып келген руўханийлер менен лебийлилер мыналар еди:
Руўханийлер: Серая, Еремия, Эзра, 2Амария, Маллух, Хаттуш, 3Шекания, Рехум, Меремот, 4Иддо, Гиннетон, Абия, 5Миямин, Маадия, Билга, 6Шемая, Йояриб, Едая, 7Саллу, Амоқ, Хилкия, Едая. Булар Ешуаның дәўиринде өзлериниң изиндеги барлық руўханийлерге басшылық еткен еди.
8Лебийлилер:
Ешуа, Биннуй, Қадмиел, Шеребия, Яҳуда ҳәм Маттания. Маттания өз туўысқанлары менен бирге тәрийиплеў қосықларын алып барыў исине жуўапкер еди. 9Ал олардың туўысқанлары Бақбуқыя менен Унний хызмет ўақтында олардың қарсы алдында туратуғын еди.
10Бас руўханий болған Ешуа Йоякимниң әкеси еди. Йояким Эляшибтиң әкеси, Эляшиб Йояданың әкеси, 11Йояда Йонатанның әкеси, Йонатан Яддуаның әкеси еди.
12Бас руўханий Йояким дәўиринде әўлад басшылары болған руўханийлер мыналар еди: Серая нәсилинен Мерая, Еремия нәсилинен Ханания, 13Эзра нәсилинен Мешуллам, Амария нәсилинен Еҳоханан, 14Малихий нәсилинен Йонатан, Шебания нәсилинен Юсуп, 15Харим нәсилинен Адна, Мерайот нәсилинен Хелқай, 16Иддо нәсилинен Зехария, Гиннетон нәсилинен Мешуллам, 17Абия нәсилинен Зихрий, Минямин нәсилинен бир басшы, Моадия нәсилинен Пилтай, 18Билга нәсилинен Шаммуа, Шемая нәсилинен Йонатан, 19Йояриб нәсилинен Маттенай, Едая нәсилинен Уззий, 20Саллай нәсилинен Қаллай, Амоқ нәсилинен Эбер, 21Хилкия нәсилинен Хашабия, Едая нәсилинен Нетанел.
22Бас руўханийлер болған Эляшиб, Йояда, Юханан ҳәм Яддуаның ўақтында, Персия патшасы Дарийдиң ҳүкимдарлығы дәўиринде, лебийли әўлад басшыларының ҳәм руўханийлердиң дизими жазып қойылды. 23Эляшиб улы Юхананның заманына дейинги лебийли әўлад басшыларының дизими жылнама китабына жазылды.
24Лебийли басшылардан Хашабия, Шеребия ҳәм Қадмиел улы Ешуа бир тәрепте, олардың туўысқанлары қарсы тәрепте турып, Қудайдың адамы болған Даўыттың көрсетпесине муўапық, гезекпе-гезек алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди.
25Маттания, Бақбуқыя, Обадия, Мешуллам, Талмон ҳәм Аққуб нәўбет пенен дәрўаза қараўыллары болып, Ибадатхана дәрўазасының ишиндеги затлар сақланатуғын бөлмелерди қараўыллайтуғын еди.
26Олар Йосадақтың ақлығы, Ешуаның улы Йояким, ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий Эзра жасаған дәўирде хызмет етти.

 

Ерусалим дийўалының бағышланыўы

 

27Ерусалимниң жаңа дийўалларын Қудайға бағышлаў рәсимин өткериў ушын, ҳәмме жерде жасап атырған лебийлилер Ерусалимге шақыртылды. Олар тәрийиплеў қосықларын айтып, кимбал, арфа ҳәм лиралар шертип, оны қуўанышлы түрде өткериўи тийис еди. 28Қосықшылар Ерусалимниң әтирапындағы үлкелерден, нетофалылардың аўылларынан, 29Бейт-Гилгалдан ҳәм Геба менен Азмаўет жерлеринен келди. Себеби қосықшылар Ерусалим әтирапынан өзлери ушын аўыллар қурып алған еди. 30Руўханийлер менен лебийлилер дәслеп өзлерин пәклеў рәсиминен өткерди, соңынан халықты, дәрўазаларды ҳәм дийўалды пәкледи.
31Сонда мен Яҳуда басшыларын дийўалдың үстине шығардым ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын үлкен еки топарды тайынладым. Олардың биреўи дийўалдың оң тәрепи бойлап, Тезек дәрўазасына қарай жүрди. 32Олардың изинен Ҳошая ҳәм Яҳуда басшыларының ярымы, 33Азария, Эзра, Мешуллам, 34Яҳуда, Бенямин, Шемая, Еремия, 35ҳәм кәрнай шерткен бир неше руўханийлер жүрди. Олардан бири Йонатан улы Зехария болып, Йонатан Шемая улы, Шемая Маттания улы, Маттания Михая улы, Михая Заккур улы, Заккур Асаф улы еди. 36Зехарияның туўысқанлары Шемая, Азарел, Милалай, Гилалай, Маай, Нетанел, Яҳуда ҳәм Хананий Қудайдың адамы болған Даўыттың саз әсбапларына уқсаған әсбапларды шертип жүрди. Олардың алдында улама Эзра жүрди. 37Олар Булақ дәрўазасынан өтип, Даўыттың қаласының дийўалына қарай көтерилетуғын текшелер арқалы Даўыттың сарайының үстинги тәрепинен кесип өтип, шығыс тәрептеги Суў дәрўазасына қарай кетти.
38Тәрийиплеў қосықларын айтатуғын екинши топар дийўалдың үсти бойлап, шеп тәрепке қарай жүрди. Мен де халықтың ярымы менен бирге олардың изине ердим. Бизлер Тандырлар минарасынан өтип, Кең дийўалға қарай жүрдик. 39Эфрайым дәрўазасын, Ешана дәрўазасын, Балық дәрўазасын, Хананел минарасын, Жүзлик минарасын ҳәм Қой дәрўазасын басып өтип, Сақшылар дәрўазасына келип тоқтадық.
40Кейин тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еки топар Қудайдың Ибадатханасындағы өзлериниң орнында турды. Мен де, мениң жанымда болған басшылардың ярымы да сол жерде турды. 41Руўханийлер: Эляким, Маасея, Минямин, Михая, Элйоенай, Зехария, Ханания жанымда кәрнай шертип жүрди. 42Және де, Маасея, Шемая, Элазар, Уззий, Еҳоханан, Малкия, Элам ҳәм Эзер де бар еди. Қосықшылар Израхияның басшылығында бақырып қосық айтты. 43Сол күни көп қурбанлықлар берилди. Халық шадлыққа бөленди, себеби Қудай оларға үлкен қуўаныш сыйлаған еди. Ҳаяллар да, балалар да шадлыққа бөленди, Ерусалимниң шадлығы узақларға еситилип турды.
44Сол күни берилген садақалар, дәслепки өнимлер ҳәм үсирлер сақланатуғын бөлмелер үстинен жуўапкер адамлар хызметке қойылды. Ҳәмме яҳудалылардың руўханийлер менен лебийлилердиң хызметинен кеўли тоқ болғанлықтан, Нызам бойынша қалалардың әтирапындағы егислик жерлерден жыйналатуғын, руўханийлер менен лебийлилерге арналған үлеслер усы бөлмелерге алып келинди. 45Руўханийлер менен лебийлилер өзлериниң Қудайының хызметин ҳәм пәклеў хызметин алып барды. Қосықшылар менен дәрўаза қараўыллары да Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпеси бойынша өз хызметлерин атқарды. 46Өйткени бурыннан Даўыт пенен Асафтың дәўиринде қосықшыларға жетекши қойылған болып, Қудайға арнап алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди. 47Зеруббабелдиң ҳәм Нехемияның заманында пүткил Израил халқы қосықшылар менен қараўылларды күнделикли азық-аўқат пенен тәмийинлеп турды. Халық лебийлилерге өз үлеслерин айырып берди, лебийлилер де Харон урпақларына, яғный руўханийлерге тийислисин ажыратып берди.

 

13

 

Нехемияның соңғы киргизген жаңалығы

 

1Сол күни Муўсаның китабы халыққа оқып берилди. Китапта былай деп жазылған еди: «Аммонлар менен моаблылар ҳеш қашан Қудайдың жәмийетине кире алмайды. 2Себеби олар Израил халқы Мысырдан шыққанда, оларды суў ҳәм нан менен қарсы алыўдың орнына, израиллыларды ғарғаў ушын Биламды жаллап алды. Бирақ Қудайымыз ғарғысты жарылқаўға айландырды». 3Бул Нызамды еситкеннен соң, Израил халқы барлық өзге миллет адамларын өзлеринен бөлекледи.
4Буннан алдын Қудайымыздың Ибадатханасындағы затлар сақланатуғын бөлмеге руўханий Эляшиб қадағалаўшы етип тайынланған еди. Ол Тобия менен жақын байланыста болып, 5Тобияға үлкен бир бөлме ажыратып берген еди. Бурын бул бөлмеге ғәлле садақалары, хош ийисли түтетки, Ибадатхана буйымлары, сондай-ақ нызам бойынша лебийлилерге, қосықшыларға ҳәм дәрўаза қараўылларына тийисли болған дән, шарап ҳәм зәйтүн майынан алынған үсирлер, руўханийлерге берилген садақалар қойылатуғын еди.
6Бирақ бул ислер болып атырған ўақытта мен Ерусалимде емес едим. Себеби Бабилон патшасы Артаксеркстиң патшалығының отыз екинши жылы мен патшаға кеткен едим. Бир неше ўақыт өткеннен кейин, мен патшадан рухсат алып, 7Ерусалимге қайттым. Сонда Эляшиб ислеген жаман ис, яғный Эляшибтиң Тобияға Қудайдың Ибадатханасының ҳәўлисинен бир бөлме ажыратып бергенин билдим. 8Буған қатты ғәзебим келип, Тобияға тийисли ҳәмме затларды бөлмеден шығарып, ылақтырдым. 9Кейин бөлмелерди пәклеўди буйырдым. Соңынан Қудайдың Ибадатханасына тийисли буйымларды, ғәлле садақаларын ҳәм хош ийисли түтеткини ол жерге қайтадан қойдырдым.
10Және де, лебийлилерге өз үлеслери берилмегенин, сол себепли Ибадатханада хызмет етип жүрген лебийлилер менен қосықшылар өз атызларына кетип қалғанын билдим. 11Сонда ел басшыларына кейип, оларға: «Қудайдың Ибадатханасы неге қараўсыз қалды?» – дедим. Соңынан кетип қалғанлардың ҳәммесин қайта жыйнап, өз орынларына хызметке қойдым. 12Сонда пүткил Яҳуда халқы дәннен, шараптан ҳәм зәйтүн майынан беретуғын үсирлерин затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келе баслады. 13Мен руўханий Шелемияны, улама Садоқты ҳәм лебийлилерден Педаяны затлар сақланатуғын бөлмелерге жуўапкер етип, ал Маттанияның ақлығы, Заккурдың улы Хананды оларға жәрдемши етип қойдым. Булар садық адамлар еди. Олардың ўазыйпасы Лебий урыўынан болған туўысқанларына үлеслерин бөлип бериўден ибарат еди.
14О, Қудайым, мени ядға ала гөр. Қудайымның Ибадатханасы ушын ҳәм ондағы хызметлер ушын ислеген жақсы ислеримди ҳеш қашан умытпағайсаң!
15Сол күнлери Яҳудада базы адамлардың Шаббат күни искенжеде жүзим сығып атырғанын көрдим. Базылардың қап-қап дәнди ешеклерине жүклеп, және де шарап, жүзим, әнжир ҳәм басқа да жүклерди артып, Шаббат күни Ерусалимге алып киятырғанын көрдим. Сол күни, мен оларды азық-аўқат сатып атырғаны ушын қатты ескерттим. 16Соның менен бирге Ерусалимде жасайтуғын тирлилер балық ҳәм ҳәр түрли затлар алып келип, Шаббат күни Ерусалимде жасайтуғын яҳудийлерге сатып жүрди. 17Мен Яҳуда ақсүйеклерине кейип, оларға былай дедим: «Неге бундай жаўыз ислерди ислеп, Шаббат күнин хорлап атырсыз? 18Ата-бабаларыңыз да усылай ислегенликтен Қудайымыз басымызға ҳәм бул қалаға апатшылық жаўдырмады ма? Сизлер Шаббат күнин хорлаў арқалы Қудайдың Израилға деген ғәзебин лаўлатып атырсызлар».
19Буннан кейин, мен: «Шаббат күнинен алдынғы күн геўгим түсе баслағаннан Ерусалим дәрўазалары жабылып, олар Шаббат күни өткенше ашылмасын», – деп буйырдым. Шаббат күни қалаға ҳеш бир жүктиң киргизилмеўи ушын, хызметшилеримнен базыларын дәрўазаларға қойдым. 20Сонда саўдагерлер ҳәм ҳәр қыйлы нәрселерди сатыўшылар бир-еки рет Ерусалим сыртында түнеди. 21Бирақ мен оларға қатты кейип: «Сизлер неге дийўал жанында түнеп атырсызлар? Егер және усылай ислейтуғын болсаңыз, сизлерге қарсы шара қолланаман», – дедим. Сол күннен баслап, олар Шаббат күни келмейтуғын болды. 22Шаббат күниниң мухаддеслигин сақлаў ушын, мен лебийлилерге өзлерин пәклеўди ҳәм келип, дәрўазаларда нәўбетшилик етиўди буйырдым.
О, Қудайым, бул ис ушын да мени еске алып, Өзиңниң уллы мийримиң менен маған реҳим ете гөр!
23Және мен сол күнлери ашдодлы, аммон ҳәм моаблы ҳаялларға үйленген яҳудийлердиң де бар екенин билдим. 24Ҳәтте, олардың балаларының ярымы ашдодлылар сөйлейтуғын тилде ямаса басқа халықлардың тилинде сөйлеп, яҳудий тилин билмейди екен. 25Соның ушын мен оларға кейип, нәлет айттым. Айырым еркеклерди урып, шашларын жулдым. Оларға Қудайдың аты менен былай ескерттим: «Қызларыңызды өзге миллет адамларына турмысқа бермеңлер, өзлериңиз де, улларыңыз да олардың қызларына үйленбеңлер. 26Израил патшасы Сулайман да усындай ҳаяллар себепли гүнаға батқан жоқ па еди? Көплеген халықларда оған уқсаған патша жоқ еди. Ол өз Қудайының сүйиклиси болғанлықтан, Қудай оны пүткил Израил үстинен патша етип қойған еди. Сондай болса да, өзге миллетлерден алған ҳаяллары оны да гүнаға баслады. 27Өзге миллет қызларына үйленип, Қудайымызға опасызлық еттиңиз. Ислеген бул уллы жаўызлығыңызды көрмесликке алыўымыз керек пе?»
28Бас руўханий Эляшибтиң улы Йояданың улларынан бири хоронлы Санбаллаттың күйеў баласы еди. Сол себепли мен оны жанымнан қуўып жибердим.
29О, Қудайым, оларды еске ала гөр! Себеби олар руўханийлик хызметин, руўханийлик ҳәм лебийлик келисимин бузып, мухаддесликти ҳарамлады.
30Усылайынша, мен руўханийлер менен лебийлилерди ҳәмме жат нәрселерден тазаладым. Және олардың хызметлерин қайта тиклеп, жумысларын белгилеп бердим. 31Жандырылатуғын отынлар менен егинниң дәслепки өнимлерин белгиленген ўақытта алып келиўди жолға қойдым.
О, Қудайым, буларды мениң ийгилигим ушын еске ала гөр!

 

 

 

Эстер

Эстер китабы

 

 

1

 

Ахашўероштың зыяпатлары

 

1Бул ўақыя патша Ахашўероштың[1] дәўиринде болған еди. Ахашўерош Ҳиндистаннан Кушқа шекем созылған бир жүз жигирма жети ўәлаяттың үстинен патшалық ететуғын еди. 2Сол ўақытта патша Ахашўерош Суза қорған қаласындағы тахтына отырып ел басқарды. 3Ол патшалығының үшинши жылында өзиниң барлық беклери ҳәм хызметшилери ушын зыяпат берди. Персия ҳәм Мидия әскербасылары, ақсүйеклер ҳәм бир жүз жигирма жети ўәлаяттың басшылары оның алдына келди. 4Көп күнлер, яғный бир жүз сексен күн даўамында Ахашўерош өз патшалығының шексиз байлығын, уллылығының сулыўлығын ҳәм салтанатын көрсетти.
5Сол күнлер тамам болғаннан кейин, патша Суза қаласындағы халықтың үлкен-кишисине арнап, өз сарайының бағ ҳәўлисинде жети күн зыяпат берди. 6Ҳәўлиниң мәрмер бағаналарына орнатылған гүмис халқаларға шым қызыл ҳәм ҳасыл зығыр арқанлар менен байланған ақ ҳәм көк реңли гезлемелер илдирилген еди. Мәрмер ҳәм ҳәр түрли реңдеги таслар төселген ҳәўлиде алтын ҳәм гүмис орынлықлар орнатылған еди. 7Шараплар бир-биринен айрықша болған ҳәр түрли алтын ыдысларда берилди. Патшаның байлығына жараса, оның шарабы да мол болды. 8Патшаның буйрығы бойынша, ҳеш ким қонақларды шарап ишиўге мәжбүрлемеди. Себеби патша сарай хызметшилерине ҳәр бир қонақтың тилегин орынлаўды буйырған еди.

 

Ханбийке Ўаштийдиң тажынан айырылыўы

 

9Сол ўақытта ханбийке Ўаштий де патша Ахашўероштың сарайында ҳаяллар ушын зыяпат берип атырған еди.
10Жетинши күни шарап ишип кеўли көтерилген патша өзиниң Меҳуман, Бизта, Харбона, Бигта, Абагта, Зетар ҳәм Каркас атлы жети ақтасына[2] 11ханбийке Ўаштийге таж кийдирип, алдына алып келиўди буйырды. Патша халыққа ҳәм беклерге оның қаншелли гөззал екенин көрсетпекши болды. Себеби ханбийке Ўаштий жүдә сулыў еди.
12Бирақ ханбийке Ўаштий ақталардың патшадан әкелген буйрығын орынлаўдан бас тартып, келиўди қәлемеди. Патшаның буған қатты ашыўы келип, ғәзеби қайнап кетти.
13Патша заманның бағытын билетуғын данышпан адамлар менен сөйлести. Өйткени ол өз ислерин нызам ҳәм қағыйдаларды билетуғынлардың ҳәммеси менен кеңесип ислейтуғын еди. 14Сол ўақытта патшаның жақынлары болған Каршена, Шетар, Адмата, Таршиш, Мерес, Марсена ҳәм Мемухан атлы Персия ҳәм Мидияның жети ўәзири бар еди. Патшалықта жоқары мәртебеге ийе болған усы адамлар патша менен жүзбе-жүз көрисе алатуғын еди. 15Патша олардан:
– Мениң ақталарым арқалы айтқан буйрығымды орынламағаны ушын, нызам бойынша ханбийке Ўаштийге не ислеў керек? – деп сорады.
16Сонда патша ҳәм ўәзирлердиң алдында Мемухан былай деп жуўап берди:
– Ханбийке Ўаштий тек патшаға қарсы емес, ал барлық беклерге ҳәм патшаның қолы астындағы пүткил ўәлаятлардағы халықлардың ҳәммесине қарсы айып иследи. 17Себеби ханбийкениң ислеген иси туўралы ҳәмме ҳаяллар еситкенде: «Патша Ахашўерош ханбийке Ўаштийди алдына алып келиўди буйырғанда, ханбийке бармапты», – деп айтып жүреди ҳәм күйеўлерин менсинбей қояды. 18Бүгин ханбийкениң усы иси туўралы еситкен Персия ҳәм Мидия ақсүйеклериниң ҳаяллары да өз күйеўлерине сондай қатнаста болады ҳәм ортадағы менсинбеўшиликлер менен кеўил қалыспақлардың шеги болмайды. 19Егер патшамыз мақул көрсе: «Ўаштий енди патша Ахашўероштың алдына келмесин, ҳәм оның ханбийке деген абырайы оннан гөре жақсырағына берилсин», – деген пәрман шығарсын. Бул пәрман Персия ҳәм Мидияның ҳеш қашан өзгертилмейтуғын нызамларына қосымша етип жазып қойылсын. 20Патшалықтың үлкен болыўына қарамастан, патшаның бул пәрманы пүткил патшалықтың ҳәмме жерине жетип барғанда, бай ҳәм кәмбағал ҳаяллардың ҳәммеси өз күйеўлерин ҳүрмет ететуғын болады.
21Бул гәп патшаға да, ўәзирлерге де мақул түсти. Патша Мемуханның айтқанындай иследи. 22Ол өз қолы астындағы барлық ўәлаятларға хат жиберди. Хат ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде жазылған болып, онда: «Ҳәр бир еркек өз үйиниң хожайыны болсын ҳәм өз ана тилинде сөйлесин», – деп жазылған еди.

 

2

 

Эстердиң ханбийке болыўы

 

1Патша Ахашўероштың ашыўы басылғаннан кейин, ол Ўаштийди, оның ислеген исин ҳәм оған қарсы шығарылған ҳүкимди есине түсирди. 2Патшаның арнаўлы хызметшилери: «Патшамыз ушын жас, сулыў ҳәм пәк қызлар изленсин. 3Буның ушын патшаның қолы астындағы барлық ўәлаятларда бақлаўшылар тайынлансын. Олар жас, сулыў ҳәм пәк қызларды Суза қаласындағы ҳаял-қызлар сарайына жыйнатып, патшаның ҳаялларына қарайтуғын ақтасы Ҳегайдың қараўына тапсырсын ҳәм оларға ийисли затлар менен пардоз берилсин. 4Патшамызға унаған қыз Ўаштийдиң орнына ханбийке болсын», – деди. Бул гәп патшаға мақул болды ҳәм ол солай иследи.
5Суза қаласында Бенямин урыўынан болған Мордохай деген бир яҳудий жасайтуғын еди. Ол Яир деген адамның улы болып, Яир Шимейдиң, ал Шимей Киштиң улы еди. 6Киш Яҳуда патшасы Ехония менен бирге Бабилон патшасы Набуходоносор тәрепинен Ерусалимнен сүргин етилип алып келингенлердиң бири еди. 7Мордохайға әкеси жағынан туўысқан болған Ҳадасса атлы бир қыз бар еди. Басқа аты Эстер болған Ҳадасса ата-анасынан жетим қалғаннан соң, Мордохай оны асырап алып тәрбиялады. Қыз қәдди-қәўмети келискен, сулыў еди.
8Патшаның буйрығы менен пәрманы жәрияланғаннан соң, көп қызлар Суза қаласына әкелинип, ҳаял-қызлар ушын жуўапкер болған Ҳегайдың қараўына тапсырылды. Патша сарайына әкелинген қызлардың ишинде Эстер де бар еди. 9Ҳегай Эстерди унатты ҳәм оған кеўли толды. Ол Эстерге пардозланыўы ушын керекли затларды ҳәм оған арналған азық-аўқатларды бериўге асықты. Оған хызмет етиў ушын патша сарайынан сайланған жети қызды белгиледи. Эстерди ҳәм оның қәнизеклерин ҳаял-қызлар сарайының ең жақсы бөлмесине жайластырды.
10Эстер өз халқы ҳәм өз ата-теги ҳаққында ашық айтпады. Себеби Мордохай оған бул туўралы аўыз ашпаўды буйырған еди. 11Мордохай ҳәр күни Эстердиң аўҳалынан хабар алыў ушын ҳәм оған не болып атырғанын билиў ушын ҳаял-қызлар сарайының ҳәўлиси әтирапында жүретуғын еди.
12Патша Ахашўероштың алдына кириў гезеги келгенше, ҳәр бир жас қызға он еки ай даўамында пардоз берилетуғын еди. Қызлар ушын шығарылған қағыйда усындай болып, оларға алты ай мирра майы[3], алты ай әтир майлары ҳәм косметикалық затлар жағылатуғын еди. 13Соңынан қыз патшаның алдына киретуғын еди. Қыз патша сарайына кирер алдынан ҳаяллар сарайынан нени алыўды қәлесе, оған ҳәммеси берилетуғын еди. 14Кеште патшаның бөлмесине кирген қыз ертеңине азанда патшаның тоқалларына қарайтуғын ақтасы Шаашгаздың бақлаўы астындағы екинши ҳаяллар сарайына қайтатуғын еди. Патшаға унамаған ҳәм аты айтып шақырылмаған қыз патшаның жанына қайтып кире алмайтуғын еди.
15Патшаның бөлмесине кириў гезеги Мордохайдың асырап алған қызына, яғный оның ағасы Абихайылдың қызы Эстерге келгенде, ол патшаның ҳаялларын қараўыллайтуғын ақтасы Ҳегайдың айтқанларын ғана алды ҳәм басқа ҳеш нәрсе сорамады. Эстер өзин көрген ҳәр бир адамның кеўлине унап қалды. 16Солай етип, Ахашўероштың патшалық етиўиниң жетинши жылының оныншы айы, Тебет айында[4] Эстер патша Ахашўероштың сарайына апарылды.
17Патша Эстерди басқа қызлардан гөре көбирек жақсы көрип қалып, оған кеўли толды ҳәм Эстерди басқа ҳаял-қызларға қарағанда көбирек унатты. Ахашўерош Эстердиң басына таж кийдирип, оны Ўаштийдиң орнына ханбийке етип қойды. 18Соңынан патша барлық ўәзирлери ҳәм хызметшилери ушын Эстердиң ҳүрметине үлкен зыяпат берди. Ол ўәлаятларға байрам жәрия етти ҳәм патшаларға ылайық сақыйлық пенен саўғалар үлестирди.

 

Мордохайдың патшаның өмирин сақлап қалыўы

 

19Қызлар екинши рет жыйналғанда, Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырған еди. 20Эстер Мордохайдың буйрығы бойынша өзиниң ата-теги ҳәм халқы ҳаққында еле ҳеш нәрсе айтпаған еди. Эстер Мордохайдың тәрбиясында болған ўақтында оған қалай бойсынатуғын болса, ҳәзир де солай бойсынатуғын еди.
21Сол күнлери Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырғанда, дәрўаза сақшылары болған Бигтан ҳәм Тереш деген еки ақта патша Ахашўерошқа ашыўланып, оны өлтириўди режелестирди. 22Мордохай бул исти билгенде, патшаның ҳаялы Эстерге хабарлады. Эстер оны Мордохайдың атынан патшаға жеткизди. 23Бул ўақыя тексерилип, дурыс деп табылды ҳәм еки сақшы да дарға асылды. Кейин бул ўақыя жылнама китабына патшаның көз алдында жазып қойылды.

 

3

 

Ҳаманның яҳудийлерди жоқ қылыўды ойлаўы

 

1Бул ўақыядан кейин патша Ахашўерош Агаг[5] әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманды жоқары лаўазымға тайынлап, оның мәртебесин көтерди. Оны барлық ўәзирлерден де жоқары бийликке ийе қылды. 2Патшаның буйрығы бойынша, патша сарайындағы хызметшилердиң ҳәммеси Ҳаманға тәжим етип, жерге дейин ийилетуғын еди. Бирақ Мордохай оған тәжим етпеди де, жерге дейин ийилмеди де. 3Патша сарайындағы хызметшилер Мордохайдан: «Сен не ушын патшаның буйрығына бойсынбай атырсаң?» – деп сорады. 4Олар бул сөзди ҳәр күни қайталаса да, Мордохай оларды тыңламады. Сонлықтан олар буны Ҳаманға жеткизди. Себеби Мордохай оларға өзиниң яҳудий екенин айтқан еди ҳәм олар Мордохайдың усылай ислеўди даўам ететуғынын ямаса етпейтуғынын көргиси келди.
5Ҳаман Мордохайдың өзине тәжим етип, жерге дейин ийилмегенин көргенде, ашыўдан түтеп кететуғын еди. 6Ҳаман Мордохайдың тек бир өзин өлтириўди ғана ойлап қоймай, Мордохайдың қайсы халықтан екенин билгенликтен, Ахашўероштың пүткил патшалығындағы барлық яҳудийлерди, яғный Мордохайдың пүткил халқын қырып таслаўға қарар етти.
7Ахашўероштың патшалығының он екинши жылының биринши айында, Нисан айында[6] бул исти әмелге асыратуғын күн ҳәм айды белгилеў ушын Ҳаманның алдында пур[7], яғный шек тасланды. Шек он екинши айға, Адар айына[8] түсти.
8Соңынан Ҳаман патша Ахашўерошқа былай деди:
– Патшалығыңыздағы барлық ўәлаятлардағы халықлар арасына жайылып, тарап кеткен бир халық бар. Олардың нызамлары басқа барлық халықлардың нызамларынан өзгеше болып, олар патшамыздың нызамларына бойсынбайды. Оларды өз билдигинше қалдырыў патшамыздың мәртебесине зыян тийгизеди. 9Егер патшамыз мақул көрсе, оларды қырып таслаў ушын пәрман шығарсын. Мен бул исти орынлағанларға төлеў ушын патша қазнасына он мың талант гүмис[9] беремен.
10Сонда патша қолындағы мөр жүзигин шешип, пәрманды тастыйықлаў ушын, яҳудийлердиң душпаны, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманға берди. 11Патша оған:
– Гүмис өзиңде қалсын. Сол халыққа қәлегениңди исле, – деди.
12Биринши айдың он үшинши күни патшаның хаткерлери шақырылды. Ҳаманның ҳәмме буйрықлары патшаның найыпларына[10], барлық ўәлаятлардың ҳәкимлерине, барлық халықлардың беклерине, ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде патша Ахашўероштың атынан жазылып, оның мөр жүзиги менен тастыйықланды. 13«Яҳудийлердиң ҳәммеси: жасы ҳәм ғаррысы, ҳаял ҳәм бала-шағасы он екинши айдың, Адар айының он үшинши күни, бир күнде өлтирилип, жоқ қылынсын, қырып тасланып, мал-мүлки талан-тараж қылынсын», – деген патшаның хаты патшалықтың пүткил ўәлаятларына шабарманлар арқалы жиберилди. 14Бул пәрманның көширмеси ҳәр бир ўәлаятта нызам сыпатында жәрияланып, барлық халықларға билдирилиўи тийис болды. Себеби ҳәмме белгиленген сол күнге таяр болып турыўы керек еди.
15Шабарманлар патшаның буйрығы менен асығыс жолға шықты. Пәрман Суза қаласында да жәрияланды. Қала халқы албырасып атырған ўақытта патша менен Ҳаман отырып алып, шарап ишти.

 

4

 

Мордохайдың Эстерден жәрдем сораўы

 

1Мордохай болған ислердиң ҳәммесинен хабар тапқанда кийимлерин жыртып, аза кийимин кийди ҳәм басына күл шашып[11], дад салып бақырып жылаўы менен қала ортасына келди. 2Ол барып, сарай дәрўазасының алдында турды, өйткени аза кийиминдеги ҳеш бир адамды сарайға киргизбейтуғын еди. 3Сондай-ақ патшаның буйрығы ҳәм пәрманы жетип барған ҳәр бир ўәлаятта яҳудийлер уллы қайғыға батып, ораза тутты ҳәм дад салып жыласты. Көпшилиги аза кийимин кийип, күлдиң үстинде жатты.
4Ханбийке Эстердиң қәнизеклери ҳәм ақталары келип, Мордохай туўралы хабар бергенде, Эстер қатты тынышсызланды. Үстиндеги аза кийимлерин шешип, мыналарды кийип алсын деп, ол Мордохайға кийимлер жиберди. Бирақ Мордохай оларды қабыл етпеди.
5Эстер өзине патша тәрепинен хызметши етип тайынланған Ҳатах деген ақтасын шақыртып алып, оған Мордохайға не болғанын билип келиўди буйырды. 6Ҳатах патша сарайының дәрўазасы алдындағы ашық майданға, Мордохайдың жанына кетти. 7Мордохай оған басына түскен ҳәмме нәрсени ҳәм Ҳаманның яҳудийлерди қырып таслаў ушын патша қазнасына қанша гүмис бериўди ўәде еткенин де айтып берди. 8Кейин Мордохай яҳудийлерди қырып таслаў ҳаққында Сузада жәрияланған пәрманның бир көширмесин Ҳатахқа берип: «Эстерге мынаны көрсетип, оған ҳәммесин түсиндир. Эстер патшаға барсын ҳәм оннан өз халқына реҳим етиўди жалбарынып сорасын», – деп тапсырды.
9Ҳатах қайтып келип, Мордохайдың айтқанларын Эстерге жеткизди. 10Эстер Ҳатахты Мордохайға және жиберип, мына сөзлерди жеткизиўди буйырды: 11«Сарайдың ишки ҳәўлисине, патшаның алдына шақырылмастан кирген ҳәр бир адамды, оның еркек ямаса ҳаял болыўына қарамастан, тек бир жаза, яғный өлим жазасы күтеди. Бул ҳаққында патшаның ҳәмме хызметшилери де, оның қол астындағы ўәлаятлардың халықлары да биледи. Тек патша кимге өзиниң алтын ҳасасын созса, сол адам ғана тири қалады. Мен де патшаның алдына отыз күннен бери шақырылған жоқпан».
12Ҳатах Эстердиң бул сөзлерин Мордохайға жеткизгенде, 13Мордохай Эстерге мына жуўапты қайтарды: «Сарайда жасағаным ушын пүткил яҳудийлер ишинде жалғыз өзим аман қаламан, деп ойлама. 14Егер сен ҳәзир үндемей қалсаң, яҳудийлерге жәрдем ҳәм қутқарылыў басқа жақтан келеди. Ал сен ҳәм сениң әкеңниң үй-иши набыт боласызлар. Ким биледи, бәлким, усындай күнлер ушын сен ханбийке болыў мәртебесине ерискен шығарсаң».
15Эстер де Мордохайға мына жуўапты қайтарды: 16«Барып, Сузадағы барлық яҳудийлерди жыйнап, мен ушын ораза тутыңлар. Үш күн ҳәм үш түн ҳеш нәрсе ишип-жемеңлер. Мен де өз қәнизеклерим менен сизлер сыяқлы ораза тутаман, соңынан бул нызамға қарсы болса да, патшаның алдына бараман. Егер мен өлиўге тийисли болсам, өлемен».
17Солай етип, Мордохай сол жерден кетип, Эстердиң өзине буйырғанларының ҳәммесин орынлады.

 

5

 

Эстердиң патшаға өз тилегин билдириўи

 

1Үшинши күни Эстер патшалық кийимлерин кийип, сарайдың ишки ҳәўлисине, патшаның тахты турған бөлмениң алдына келип турды. Сол ўақытта патша ҳәўлиниң кирер аўзына туўры қарап турған өз тахтында отырған еди. 2Патша ҳәўлиде турған ханбийке Эстерди көргенде, оған мийрими түсти ҳәм қолындағы алтын ҳасаны Эстерге қарай созды. Эстер патшаға жақынлап келип, алтын ҳасаның ушына қолын тийгизди.
3Патша оған:
– Ханбийке Эстер, не қәлейсең? Қандай тилегиң бар? Ҳәтте, патшалықтың ярымын сорасаң да, бериледи, – деди.
4Эстер оған:
– Егер патшамыз мақул көрсе, бүгин мениң ол ушын таярлаған зыяпатыма Ҳаман менен бирге келсин, – деди.
5Патша:
– Эстердиң өтинишин орынлаў ушын тез барып, Ҳаманды таўып келиңлер, – деп буйырды.
Солай етип, патша ҳәм Ҳаман Эстер таярлаған зыяпатқа келди. 6Патша шарап ишип отырып Эстерге және:
– Айт, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди.
7Эстер жуўап берип:
– Мениң тилегим ҳәм өтинишим мынадай: 8егер патшамыздың маған кеўли толған болса, патшамыз мениң тилегимди орынлап, өтинишимди қанаатландырыўды мақул көрсе, ертең мениң олар ушын таярлайтуғын зыяпатыма Ҳаман менен бирге келсин. Сонда патшамыздың сораўына жуўап беремен, – деди.

 

Ҳаманның Мордохайға ашыўланыўы

 

9Сол күни Ҳаман зыяпаттан кеўли көтерилип, шад болып қайтты. Бирақ ол патша сарайында Мордохайды көргенде, Мордохай орнынан да турмады, оған ҳүрмет те көрсетпеди. Сонда Ҳаман ашыўдан түтеп кетти. 10Деген менен, ол өзин тутып, үйине кетти.
Ол үйине келип, досларын ҳәм ҳаялы Зерешти шақыртты. 11Оларға өзиниң шексиз байлығы, улларының көплиги, патшаның өзин қаншелли ҳүрмет ететуғынлығы ҳәм барлық ўәзирлер менен хызметшилерден үстин қойғаны ҳаққында айтып берди. 12Кейин Ҳаман сөзин даўам етип: «Ханбийке Эстер зыяпат таярлап, патша менен тек мени ғана мирәт етти. Ертең де мен патша менен бирге шақырылғанман. 13Бирақ сарайда яҳудий Мордохайды көргенимде, булардың ҳәммеси мен ушын шыбын шелли көринбейди», – деди.
14Сонда ҳаялы Зереш ҳәм барлық дослары Ҳаманға былай деди: «Бийиклиги елиў шығанақ[12] болған дар қурдыр. Азанда патшадан Мордохайды сол дарға асыўды соран. Соңынан шад болып, патша менен зыяпатқа бар».
Бул кеңес Ҳаманға унады ҳәм ол дар қурдырып қойды.

 

6

 

Мордохайға ҳүрмет көрсетилиўи

 

1Сол түни патша Ахашўероштың уйқысы қашты. Ол жылнама китабын әкелиўди буйырды ҳәм китап патшаға оқып берилди. 2Оннан дәрўаза сақшылары болған Бигтан ҳәм Тереш деген еки ақтаның патша Ахашўерошты өлтириўди режелестиргени, буны Мордохайдың билип қалғаны ҳәм хабарлағаны туўралы жазылған сөзлер табылды.
3Патша:
– Бул иси ушын Мордохайға қандай ҳүрмет-иззет көрсетилди? – деп сорады.
Патшаның арнаўлы хызметшилери:
– Оған ҳеш нәрсе де исленбеди, – деп жуўап берди.
4Сонда патша:
– Ҳәўлиде ким бар? – деп сорады. Таярлатып қойған дарына Мордохайды астырыўды патшадан сораў ушын, Ҳаман тап сол ўақытта сарайдың сыртқы ҳәўлисине келген еди.
5Хызметшилери патшаға:
– Ҳәўлиде Ҳаман күтип турыпты, – деп жуўап берди.
– Ишке кирсин, – деди патша.
6Ҳаман ишке киргенде, патша оннан:
– Патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамына не ислеўи керек? – деп сорады.
Ҳаман ишинен: «Патша меннен басқа кимге ҳүрмет көрсетиўди қәлер еди», – деп ойлап, 7патшаға былай деди:
– Патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамға 8патша кийген патшалық кийим менен патша минген ат әкелинсин ҳәм аттың басына патшалық таж кийдирилсин. 9Кийим де, ат та патшаның ең абырайлы ўәзирлериниң бирине берилсин. Ол адам патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамға сол кийимлерди кийгизип, сол атқа миндирип, оны қала майданы бойлап айландырсын. Оның алдында жүрип: «Мине, патша кимге ҳүрмет көрсеткиси келсе, оған усылай ислейди», – деп жар салсын, – деди.
10Сонда патша Ҳаманға:
– Тез бар да, кийимлер менен атты алып кел ҳәм сарай хызметшиси яҳудий Мордохайға өзиңниң айтқанларыңды исле. Айтқанларыңның биреўи де қалып қоймасын, – деди.
11Солай етип, Ҳаман кийимлерди ҳәм атты алып келди. Кейин Мордохайды кийиндирип, оны атқа миндирди де, қала майданы бойлап алып жүрди ҳәм оның алдында: «Мине, патша кимге ҳүрмет көрсеткиси келсе, оған усылай ислейди», – деп жар салды.
12Соңынан Мордохай сарайға қайтып келди. Ҳаман болса, шерменделиктен жүзин жаўып, асығыс үйине қайтты. 13Ҳаман ҳаялы Зерешке ҳәм ҳәмме досларына жүз берген барлық ўақыялар туўралы айтып берди. Сонда ҳаялы Зереш ҳәм кеңесшилери оған: «Сениң мәртебең Мордохай алдында төмен түсе баслаған екен, егер ол яҳудий болса, онда сен оны жеңе алмайсаң, керисинше, оның алдында жығылатуғының гүмансыз», – деди.
14Олар еле сөйлесип отырғанда, патшаның ақталары келип, Ҳаманды Эстер таярлаған зыяпатқа асығыс алып кетти.

 

7

 

Ҳаманның өлимге ҳүким етилиўи

 

1Солай етип, патша Ҳаман менен бирге ханбийке Эстердиң зыяпатына келди. 2Екинши зыяпат күни де олар шарап ишип отырғанда, патша Эстерге және:
– Эстер, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди.
3Сонда ханбийке Эстер жуўап берип былай деди:
– О, патшам! Егер маған кеўлиңиз толған болса ҳәм дурыс деп тапсаңыз, мениң жанымды сақлап қалыўыңызды тилеймен ҳәм мениң халқыма да өмир бағышлаўыңызды өтинемен. 4Себеби мен ҳәм мениң халқым өлтирилип жоқ етилиў ҳәм қырып тасланыў ушын сатылғанбыз. Егер бизлер қул ҳәм шоры етип сатылғанымызда, мен үндемеген болар едим. Өйткени бул ис себепли патшамыздың тынышын алыў мақул болмас еди, – деди.
5Сонда патша Ахашўерош ханбийке Эстерден:
– Бундай исти ислеўге кимниң батылы барды, сол адам қай жерде? – деп сорады.
6Эстер:
– Душпанымыз ҳәм жаўымыз – бул жаўыз Ҳаман, – деди.
Сонда патшаның ҳәм оның ҳаялының алдында Ҳаманның ҳүрейи ушып, қорқып кетти. 7Патша ғәзепленип, орнынан турды да, сарай бағына қарай кетти. Ал Ҳаман ханбийке Эстерден өз жанын қутқарыўын өтинип сораў ушын иште қалды. Өйткени ол патшаның өзин қатаң жазалаўды қарар еткенин түсинген еди.
8Патша сарай бағынан зыяпат болып атырған жерге қайтқанда, Эстер жамбаслап отырған орынлықта Ҳаманның ет-бетинен жығылып атырғанын көрди де: «Бул адам сарайда, ҳәттеки, мениң көз алдымда ҳаялыма зорлық қылмақшы ма?» – деп бақырды. Патша усы сөзлерди айтып болар болмастан, олар Ҳаманның бетин жапты[13].
9Соңынан патшаға хызмет ететуғын ақталардың бири Харбона былай деди:
– Ҳаманның үйиниң алдында бийиклиги елиў шығанақ келетуғын дар турыпты. Бул дар патшамызды ескертип, оның өмирин сақлап қалған Мордохайды асыў ушын қурылған, – деди.
Сонда патша:
– Сол дарға оның өзин асыңлар, – деп буйрық берди. 10Солай етип, Ҳаманның Мордохайды асыў ушын қурдырған дарына оның өзин асты. Соннан кейин ғана патшаның ашыўы басылды.

 

8

 

Патшаның яҳудийлерди қорғаўы

 

1Сол күни патша Ахашўерош яҳудийлердиң душпаны болған Ҳаманның мал-мүлкин ханбийке Эстерге берди. Мордохай патшаның алдына кирди, себеби Эстер Мордохайдың өзине ким болатуғынын айтқан еди. 2Сонда патша Ҳаманнан қайтарып алған мөр жүзигин бармағынан шешип алып, Мордохайға берди. Эстер де Мордохайды Ҳаманның мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлады.
3Эстер және патша менен сөйлести. Ол жылап, патшаның аяғына жығылды ҳәм Агаг әўладынан болған Ҳаманның яҳудийлерге қарсы режелестирген жаўыз нийетин бийкар етиўди сорап жалынды. 4Патша алтын ҳасасын Эстерге қарап созғанда, ол орнынан түргелип, патшаның алдында турды.
5Ол патшаға:
– Егер патшамыздың маған кеўли толған болса ҳәм мақул көрсе, егер патшамыз тилегимди туўры деп билсе ҳәм мен оған унасам, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманның патшалықтың барлық ўәлаятларындағы яҳудийлерди қырып таслаўды буйырып, қара нийет пенен жаздырған хатларын бийкарлап, хатлар жазылсын. 6Себеби мен халқымның басына апатшылық түсиўине қалай қарап тура аламан? Туўған-туўысқанларымның қырып тасланыўына қалай қарап тура аламан? – деди.
7Патша Ахашўерош ҳаялы Эстерге ҳәм яҳудий Мордохайға былай деди:
– Минекей, Ҳаманның мал-мүлкин Эстерге бердим. Ал Ҳаманды яҳудийлерди қырып таслаўды режелестиргени ушын дарға астырдым. 8Бирақ патшаның атынан жазылып, оның жүзиги менен мөрленген хатты ҳеш ким өзгерте алмайды. Сонлықтан енди өзлериңиз яҳудийлер ушын нени мақул көрсеңиз, патшаның атынан соны жазып, патшаның жүзиги менен мөрлеңлер.
9Сонда үшинши ай болған Сиўан айының[14] жигирма үшинши күнинде патшаның хаткерлери шақырылды. Мордохайдың буйырған ҳәр бир нәрсеси Ҳиндистаннан баслап Кушқа шекемги бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын яҳудийлерге, найыпларға, ҳәкимлерге ҳәм ўәлаят басшыларына: ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде, яҳудийлерге де өз жазыўы менен өз тилинде жазылды. 10Мордохай патша Ахашўероштың атынан жаздырған хатларын патшаның жүзиги менен мөрледи ҳәм патшаның хызметинде қолланыў ушын бағылып атырған шапқыр атларға шабарманларды мингизди де, оларға хатларды берип, жолға атландырды.
11Патшаның пәрманында барлық қалалардағы яҳудийлерге бир жерге жыйналып, өзлерин қорғаўға ҳуқық берилген еди. Және де, өзлерине ҳүжим қылатуғын барлық душпан халықлардың ямаса ўәлаяттың қураллы күшлерин, балаларын ҳәм ҳаялларын өлтирип жоқ қылыўға, қырып таслаўға, мал-мүлкин талан-тараж қылыўға рухсат берилген еди. 12Бул ис патша Ахашўероштың ҳәмме ўәлаятларында белгиленген күни, он екинши айдың, яғный Адар айының он үшинши күни ислениўи керек еди. 13Усы пәрманның көширмеси ҳәмме ўәлаятларға нызам ретинде жәрияланып, барлық халықларға билдирилди. Солай етип, яҳудийлер сол күни душпанларынан өш алыў ушын таяр турыўы тийис еди.
14Шабарманлар патшаның шапқыр атларына минип, оның буйрығы менен асығыс жолға атланды. Бул пәрман Суза қаласында да жәрияланды.
15Мордохай үстине көк ҳәм ақ реңдеги патшалық кийимлерди, басына үлкен алтын таж кийип, сыртынан шым қызыл ҳасыл зығыр шапан жамылып, патшаның алдынан шықты. Суза қаласы қуўаныш ҳәм шадлыққа бөленди. 16Яҳудийлер ушын жақты, қуўанышлы, шадлы ҳәм ҳүрметке толы күнлер келген еди. 17Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы жетип барған ҳәр бир ўәлаят ҳәм қалада яҳудийлер қуўанышқа толып, шадланды. Олар зыяпатлар уйымластырды ҳәм байрамлады. Патшалықтағы халықлардан көплеген адамлар яҳудий болды. Себеби оларды яҳудийлерден қорқыў туйғысы бийлеп алған еди.

 

9

 

Яҳудийлердиң жеңиси

 

1Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы орынланатуғын он екинши ай болған Адар айының[15] он үшинши күни де келди. Яҳудийлердиң душпанлары бул күни яҳудийлер үстинен ҳүкимдарлықты орнатыўды үмит пенен күткен еди. Бирақ керисинше болып шықты. Яҳудийлер өзлерин жек көргенлерден үстем келди. 2Олар өзлерине жәбир етпекши болғанларға қарсы ҳүжим жасаў ушын, патша Ахашўероштың қолы астындағы барлық ўәлаятлардағы өзлери жасайтуғын қалаларда бир жерге жыйналды. Ҳеш ким яҳудийлерге қарсы шыға алмады, себеби барлық халықларды олардан қорқыў туйғысы бийлеп алған еди. 3Ўәлаят басшылары, найыплар[16], ҳәкимлер ҳәм патша ислерин жүргизиўшилер Мордохайдан қорққанлықтан, яҳудийлерди қоллап-қуўатлады. 4Өйткени Мордохай сарайда уллы адам болды. Оның даңқы барлық ўәлаятларға тарады ҳәм күши күннен-күнге артып барды.
5Яҳудийлер душпанларының ҳәммесин қылыштан өткерди, өлтирди ҳәм жоқ қылды. Олар өзлерин жек көргенлерге қәлеген нәрсесин иследи. 6Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды өлтирип, жоқ қылды. 7Және де, олар Паршандата, Далфон, Аспата, 8Пората, Адаля, Аридата, 9Пармашта, Арисай, Аридай ҳәм Ўайзатаны өлтирди. 10Бул өлтирилгенлер яҳудийлердиң душпаны Ҳаммедата улы Ҳаманның он улы еди. Бирақ яҳудийлер олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.
11Сол күни-ақ Суза қаласында өлтирилгенлердиң саны патшаға билдирилди. 12Патша ханбийке Эстерге:
– Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды ҳәм Ҳаманның он улын өлтирип, жоқ қылыпты. Ким биледи, басқа ўәлаятларда олар не иследи екен? Не тилейсең? Ол қанаатландырылады. Және не сорайсаң? Ол орынланады, – деди.
13Сонда Эстер:
– Егер патшамыз мақул көрсе, Сузадағы яҳудийлер бүгинги пәрманыңызды ертең де орынласын. Ал Ҳаманның он улының денелери дарға асылсын, – деди.
14Патша бул өтиништи орынлаўды буйырды ҳәм пәрман Сузада жәрияланып, Ҳаманның он улының денеси дарға асылды. 15Сузадағы яҳудийлер Адар айының он төртинши күни де бир жерге жыйналып, қалада үш жүз адамды өлтирди. Бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.
16Патшалықтың ўәлаятларында жасайтуғын басқа яҳудийлер де жан сақлаў ҳәм душпанларынан қорғаныў ушын бир жерге жыйналды. Олар өзлерин жек көргенлерден жетпис бес мың адамды өлтирди, бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди. 17Бул ўақыя Адар айының он үшинши күни жүз берген еди. Ал айдың он төртинши күни олар тынышланып, бул күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи.
18Сузадағы яҳудийлер болса, сол айдың он үшинши ҳәм он төртинши күнлери бир жерге жыйналды, ал он бесинши күни тынышланды. Сол күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи. 19Сонлықтан аўыл-аймақларда жасайтуғын яҳудийлер Адар айының он төртинши күнин зыяпат ҳәм қуўаныш күни ретинде белгилейди ҳәм бир-бирине тағамлар береди.

 

Пурим байрамы

 

20Мордохай бул ўақыяларды жазып қойды. Соңынан ол патша Ахашўероштың қолы астындағы узақ ҳәм жақын жердеги ўәлаятларда жасайтуғын яҳудийлерге хатлар жиберди. 21Хатта ҳәр жылы Адар айының он төртинши ҳәм он бесинши күнлерин байрамлаў буйырылған еди. 22Себеби бул күнлер яҳудийлердиң өз душпанларынан қутылған күнлери болып, қайғысы қуўанышқа, азасы байрамға айланған айы еди. Мордохай сол күнлерди зыяпат ҳәм қуўаныш күнлери деп белгилеп, бир-бирине тағамлар үлестириўди ҳәм кәмбағалларға садақалар бериўди буйырды.
23Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың буйрығын қабыл етти ҳәм ҳәр жылы сол күнлерди байрамлаўды әдетке айландырды.
24Пүткил яҳудийлердиң душпаны Агаг[17] әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаман яҳудийлерди қырып таслаўды нийет етип, оларды езип жоқ қылыў ушын пур[18], яғный шек таслаған еди. 25Бирақ бул хабар патшаға жеткенде, патша хаты арқалы: «Ҳаманның яҳудийлерге қарсы ойлаған жаўыз нийети өзиниң басына жетсин. Ҳаман ҳәм оның уллары дарға асылсын», – деп буйрық берген еди. 26Пур сөзи себепли, бул күнлерге Пурим[19] деп ат берилген еди.
Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың бул хатында жазылғанларды, көрген-билгенлерин ҳәм басларынан кеширгенлерин еслеринде сақлаў ушын, 27яҳудийлер, олардың әўладлары ҳәм оларға қосылғанлардың ҳәммеси хатта жазылғанындай, белгиленген ўақытта бул еки күнди ҳәр жылы сөзсиз байрамлаўға қарар етти. 28Солай етип, бул күнлер ҳәр бир ўәлаятта, ҳәр бир қалада ҳәм ҳәр бир тийреде әўладтан-әўладқа еске алынады ҳәм байрамланады. Усы Пурим күнлерин яҳудийлер тәрепинен байрамлаў ҳеш қашан тоқтатылмайды ҳәм бул күнлер әўладлар бойы есте сақланады.
29Абихайыл қызы ханбийке Эстер ҳәм яҳудий Мордохай Пуримге байланыслы бул екинши хатты пүткил бийлик пенен жазып тастыйықлады. 30Мордохай Ахашўероштың қол астындағы бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын ҳәмме яҳудийлерге тынышлық ҳәм аманлық тилеклерине толы хатларды жиберди. 31Хатта яҳудий Мордохай ханбийке Эстер менен бирликте алдын ала қарар еткениндей, яҳудийлерге усы Пурим күнлерин белгиленген ўақытта нышанлаўды қатаң сақлаўды буйырды. Бурын яҳудийлердиң өзлери ҳәм урпақлары ораза тутыў ҳәм азалаў бойынша белгиленген қағыйдаларға бойсынғаны сыяқлы, бул байрамға да бойсыныўы белгиленген еди. 32Солай етип, Эстердиң буйрығы бойынша Пуримге тийисли усы қағыйдалар тастыйықланып, китапқа жазып қойылды.

 

10

 

Ахашўерош пенен Мордохайдың уллылығы

 

1Патша Ахашўерош өз патшалығындағы шетки атаўларға дейин пүткил халықтан салық жыйнайтуғын еди. 2Оның барлық күшли ҳәм қүдиретли ислери, ол мәртебели қылған Мордохайдың уллылығы ҳаққында Персия ҳәм Мидия патшаларының жылнама китабында жазылған.
3Яҳудий Мордохай бийлиги бойынша патша Ахашўероштан кейинги екинши адам болды. Ол яҳудийлер арасында ҳүрметке еристи ҳәм көп урпақласлары оны жақсы көрди. Себеби ол өз халқының ийгилигин ойлады ҳәм пүткил урпақласларының тынышлығы ушын гүрести.

 

 

 

Аюп

Аюп китабы

 

 

1

 

Аюп ҳәм оның шаңарағы

 

1Ус үлкесинде Аюп атлы бир адам жасайтуғын еди. Ол минсиз ҳәм әдил болып, Қудайдан қорқатуғын, жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам еди. 2Аюптың жети улы ҳәм үш қызы бар еди. 3Ол жети мың қой, үш мың түйе, бес жүз жуп өгиз, бес жүз урғашы ешек, сондай-ақ, жүдә көп хызметшилерге ийе болып, шығыста жасайтуғынлар арасында ең бай адам еди.
4Аюптың уллары үйлеринде гезек пенен зыяпат берип, өзлери менен ишип-жеў ушын, үш апа-сиңлисин де мирәт ететуғын еди. 5Зыяпат тамам болғаннан кейин, Аюп балаларын шақыртып алып, пәклениў рәсиминен өткеретуғын еди. Ол улларым ишлеринен Қудайға тил тийгизип, гүна ислеп қойған болыўы мүмкин, деп ойлап, азан менен олардың ҳәр бири ушын жандырылатуғын қурбанлық беретуғын еди. Аюп бәрқулла усылай ислейтуғын еди.

 

Аюптың дәслепки сыналыўы

 

6Бир күни иләҳий барлықлар[1] Жаратқан Ийениң алдына келгенде, олар менен бирге шайтан[2] да келген еди. 7Жаратқан Ийе шайтаннан:
– Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады.
Шайтан Жаратқан Ийеге:
– Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.
8Жаратқан Ийе шайтанға:
– Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ, – деди.
9Сонда шайтан Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:
– Аюп Сеннен бийкардан-бийкарға қорқады деп ойлайсаң ба? 10Оның өзин, үй-ишин ҳәм барлық ийелигин қорғап жүрген Өзиң емесписең? Сен оның қолы тийген ҳәр бир иске берекет берип атырсаң. Оның пада ҳәм сүриўлери пүткил үлкеге жайылған. 11Бирақ қолыңды созып, оған тийисли болғанның ҳәммесин жоқ қылсаң, онда ол жүзиңе тик қарап, Саған нәлет айтады.
12Жаратқан Ийе шайтанға:
– Яқшы, Аюпқа тийисли болғанның ҳәммесин сениң қолыңа беремен, бирақ оның өзине зыян тийгизбе, – деди.
Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан кетти.
13Бир күни Аюптың уллары менен қызлары үлкен әжағасының үйинде зыяпат берип, шарап ишип отырған еди. 14Сонда бир хабаршы жуўырыўы менен Аюпқа келип, былай деди: «Өгизлериңиз жер айдап, ешеклер олардың қасында отлап жүрген еди. 15Бирден шебалы басқыншылар ҳүжим жасап, хызметшилериңиздиң ҳәммесин қылыштан өткерди ҳәм малларды айдап алып кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
16Ол сөзин тамамлап үлгермей-ақ, басқа бир хабаршы келип, былай деди: «Аспаннан Қудайдың жалыны түсип, қойларыңыз бенен шопанларыңыз жанып, күлге айланды. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
17Сол адам сөзин тамамлап үлгермей-ақ, үшинши хабаршы жетип келип былай деди: «Калдейлер үш топар болып келип, түйелердиң падасына тасланды. Олар барлық падашыларды өлтирип, түйелерди айдап кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
18Ол усы сөзлерди айтып турғанда, басқа бир хабаршы келип, былай деди: «Сизиң ул-қызларыңыз үлкен әжағасының үйинде аўқатланып, шарап ишип отырған еди. 19Бирден шөл тәрептен күшли даўыл турып, жайды төрт тәрепинен соққылай баслады. Үй қулап, оның ишиндегилердиң ҳәммеси өлди. Бул хабарды жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
20Сонда Аюп орнынан турды да, қайғыдан шапанын жыртты ҳәм шашын алдырып таслады. Кейин ет-бетинен жерге жығылып, сыйынды. 21Ол былай деди:

 

«Анамның қурсағынан жалаңаш шыққан едим,
Бул дүньядан да жалаңаш қайтаман.
Жаратқан Ийе берди, Жаратқан Ийе алды,
Жаратқан Ийениң атына алғыс-мақтаўлар болсын!»

 

 

22Сонша ис болып өтсе де, олардың ҳеш биринде Аюп гүна ислемеди, Қудайды да айыпламады.

 

2

 

Аюптың екинши рет сыналыўы

 

1Басқа бир күни иләҳий барлықлар Қудайдың алдына және келгенде, Оның дәргайында турыў ушын, шайтан да олар менен бирге келген еди. 2Сонда Жаратқан Ийе шайтаннан:
– Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге:
– Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди. 3Жаратқан Ийе шайтанға:
– Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ. Қара, ол еле минсизлигинде беккем турыпты. Ал сен болсаң, айыпсыздан айыпсыз оны жоқ қылыў ушын Мени ийтермеледиң, – деди. 4Сонда шайтан:
– Етке ет дегениндей, адам өз жаны ушын қолындағысының бәрин береди. 5Қолыңды созып, ет пенен сүйегине зыян тийгизип көр, сонда Аюп жүзиңе тик қарап, нәлет айтады, – деди. 6Жаратқан Ийе шайтанға:
– Яқшы, оны сениң қолыңа беремен, тек оның жанын алма, – деди. 7Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан шығып кетти ҳәм Аюпты басынан аяғының ушына дейин аўыртатуғын жара менен қаплап таслады. 8Сонда Аюп күлдиң ортасында отырып, гүзениң сынығы менен жараларын қасып отырған еди. 9Ҳаялы оған келип:
– Сен еле минсиз болыўға тырысып атырсаң ба? Оннан да Қудайды нәлетлеп, кейин өлип қала ғойсеш, – деди. 10Аюп оған:
Сен ақылсыз ҳаяллар сыяқлы сөйлеп турсаң. Сонда не, бизлер Қудайдан тек жақсылықты қабыл етип, жаманлықты қабыл етпеўимиз керек пе? – деп жуўап берди.
Соншама азап шексе де, Аюптың аўзынан гүна болғандай сөз шықпады.

 

Аюптың үш достысы

 

11Аюптың үш достысы: теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳәм наамалы Софар Аюптың басына түскен бахытсызлықлары ҳаққында еситкенде, жасап турған жерлеринен шықты ҳәм бир жерде ушырасып, жолға атланды. Олар Аюптың қайғысын бөлисип, оған тәселле бериў ушын оның жанына келди. 12Дослары Аюпты узақтан көрип, оны зорға таныды. Сонда олар зар еңиреп жылады, кийимлерин жыртып, аспанға қарай топырақ шашып, оны басларына да септи. 13Дослары жети күн, жети түн Аюп пенен бирге қара жерде отырды. Олардың ҳеш бири бир аўыз сөз сөйлемеди, себеби Аюптың соншелли қатты қыйналып атырғанын көрип турған еди.

 

3

 

Аюптың тилге кириўи

 

1Ақыры Аюп тилге кирип, өзиниң дүньяға келген күнин нәлетледи. 2Ол былай деди:

 

 

3– Мен туўылған күнге нәлет жаўсын!
„Бойына бала питти“ деген түнге нәлет жаўсын!
4Сол күн түнекке айланып қалсын!
Аспандағы Қудай да ол күнди еслемесин,
Жарық та сол күнге сәўле шашпасын.
5Сол күнди тас түнек қараңғылық ийелеп алсын,
Жүзин қара бултлар қаплап алсын,
Қараңғылық сол күнниң ҳүрейин ушырсын.
6Аўа, сол түнди тас түнек қараңғылық жутып жиберсин,
Ол жыл күнлери арасында саналмасын,
Айлардың биреўине де кирмесин.
7Сол түн қысыр болсын,
Онда ҳеш бир шадлық ҳаўазы еситилмесин.
8Күнлерди нәлетлейтуғынлар,
Лиўятанды[3] оята алатуғынлар,
Сол түнди ғарғасын.
9Оның таң жулдызлары сөнип қалсын.
Жарықлықты күтсин, бирақ ол келмесин,
Таң шуғласын көрмесин.
10Өйткени усы азапты көзлерим көрмеўи ушын,
Сол түн анамның қурсағын жаппады.

 

11Не ушын туўылып атырып, өлмедим екен?
Ямаса туўыла сала, демим таўысылмады екен?
12Мени неге дизесине алып отырды?
Неге мени емизди екен?
13Солар болмағанда, ҳәзир тыныш жатқан болар едим,
Уйықлап тыным тапқан болар едим.
14Қарабақаналарды өзлерине қайта тиклеп алған,
Дүнья патшалары ҳәм мәсләҳәтшилери менен бирге болар едим.
15Ямаса үйлерин гүмиске толтырған,
Алтынға бай ҳүкимдарлар менен бирге болар едим.
16Ямаса не ушын өли туўылған бөпе сыяқлы,
Күн нурын көрмеген нәресте сыяқлы көмилмедим?
17Себеби ол дүньяда залымлар жаманлық қылыўды тоқтатады,
Ҳарыққанлар да тыным табады.
18Ол жерде тутқынлар да тынышлықтан рәҳәт алады,
Қадағалаўшылардың бақырысларын еситпейди.
19Уллы да, киши де бардур ол жерде,
Қул болса, хожайынынан азат.

 

20Не ушын азап шегип жүргенге нур,
Ал қайғыға батқанға өмир бериледи екен?
21Олар өлимин күтеди, бирақ ол келмес,
Әжелин көмилген ғәзийнеден де бетер излер.
22Егер әжелин тапса,
Олар қуўанышқа бөленип, шадланар еди.
23Жолын көре алмайтуғын адамға,
Қудай айнала дөгерегин қараңғылық пенен қоршаған адамға,
Не ушын өмир берилер екен?
24Себеби нан жеўдиң орнына гүрсинемен,
Аҳыў-налам суў киби ақпақта.
25Неден қорққан болсам, сол жүз берди,
Неден қәўетерленген болсам, сол басыма түсти.
26Маған тынышлық та, тыным да, рәҳәт те жоқ,
Басыма ғаўасатлы күн туўды.

 

4

 

Элифаздың биринши сөзи

 

1Сонда теманлы Элифаз Аюпқа былай деди:

 

2– Егер биреў саған сөз айтпақшы болса,
Саған аўыр батпай ма?
Ақыры, ким сөйлеўден өзин тыйып тура алады?
3Еслеп көр, сен көплерге тәлим берер,
Ҳәлсизлерди жигерлендирип, күш берер едиң.
4Сениң сөзлериң жығылғанға тирек болып,
Дизелери қалтырап, ҳәлсирегенлерге күш беретуғын еди.
5Ал енди сол нәрселер өз басыңа түскенде, түскинликке түсип қалыпсаң,
Өзиң бахытсызлыққа ушырағанда, руўхың түсип кетипти.
6Қудайдан қорқыўың – исенимиңниң,
Минсиз жасаўың – үмитиңниң белгиси емес пе?

 

7Ойлап көрши: қашан айыпсыз адам набыт болып,
Әдил адам жоқ қылынған еди?
8Мениң көргеним мынаў: ким жаўызлықты шүдигарлап,
Ғам-қайғы туқымын ексе, соны орып алады.
9Олар Қудайдың үплеген деминен набыт болады,
Оның ғәзебиниң даўылынан жоқ болады.
10Арысланлар ақырып, ырылдассын,
Бирақ Қудай жыртқыш арысланлардың тислерин сындырады.
11Сонда арыслан олжасыз өлип кетеди,
Жетим қалған балалары тарап кетеди.

 

12Маған жасырынша бир сөз келди,
Сыбырлысы қулағыма шалынды.
13Түнги тәшиўишли түстен туўған ойлар ишинде,
Адамлар қатты уйқыға шүмген ўақытта,
14Мени қорқыў бийлеп алып, қалтыратпа басты,
Пүткил денем ләрзеге келди.
15Самал бетимди сыйпап өтти,
Сонда төбе шашым тик турды.
16Бир сүлдер турғандай болды,
Бирақ мен оның не екенин түсинбедим.
Көз алдымда бир тулға пайда болды,
Тынышлық ҳүким сүрди ҳәм мен өлпең даўысты еситтим:
17«Басында өлими бар адам Қудайдың алдында әдил бола ала ма?
Адам өз Жаратыўшысының алдында пәк бола ала ма?
18Қудай, ҳәтте, Өзиниң аспандағы хызметшилерине де исенбейди,
Ҳәтте, периштелеринен де кемшилик табады.
19Сонда тийкары топырақтан болған,
Ылайдан жаратылған,
Жәнликтей аңсат женшилип қалатуғынларға не болады?
20Олар күн шыққаннан ымырт жабылғанға шекемги аралықта набыт болады,
Олардың мәңгиге жоқ болғанын байқамай да қаласаң.
21Олардың шатырларының ишиндеги жиплери үзилген,
Даналықтан хабарсыз өлип кетеди».

 

5

 

Элифаз сөзин даўам етеди

 

1– Ал енди, Аюп, шақырғың келсе, шақыр!
Саған жуўап бергендей, биреў бар ма екен?
Периштелердиң қайсысынан жәрдем сорамақшысаң?
2Ашыў-ғәзеп ақмақты набыт қылар,
Күншиллик саданы өлтирер,
3Мен ақмақтың тамыр жайғанын көрдим,
Бирақ тосаттан оның үй-иши ғарғысқа ушырады.
4Оның балалары аманлықтан аўлақ болар,
Ҳүким ўақтында езилер,
Бирақ оларды жақлайтуғын ҳеш ким болмас.
5Оның зүрәәтин ашлар жеп қояр,
Ҳәтте, тикенлер арасында өскенлерин де.
Ашкөзлер мал-мүлкин де алып кетер.
6Себеби жаўызлық жерден өсип шықпайды,
Ғам-қайғы да атызда өспейди.
7Деген менен, от ушқынының жоқары қарап ушқаны сыяқлы,
Азап шегиў ушын туўылар инсан.

 

8Бирақ мен Қудайды излеген,
Даўа-арзымды Оған тапсырған болар едим.
9Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп,
Сансыз кәраматлар көрсетер.
10Ол жер бетине жаўын жаўдырып,
Атызларды суўғарар.
11Ол төмен аўҳалдағыларды жоқары көтерип,
Қайғыға батқанларды қәўипсизликке шығарар.
12Ол ҳийлекерлердиң нийетлерине тосқынлық жасап,
Оларды табыстан маҳрум етер.
13Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы тутып алып,
Ҳийлекерлердиң ойларын пушқа шығарар.
14Күндиз олар қараңғылыққа тап болар,
Тал түсте де түндегидей сыйпаланып жүрер.
15Қудай жарлыны жаманлардың ашшы сөзлеринен,
Күшлилердиң қолынан қутқарар.
16Солай екен, кәмбағалларда үмит бар,
Наҳақлардың аўзы жумылар.

 

17Қудай ескертип, дүзететуғын адам қандай бахытлы!
Сонлықтан Қүдирети күшли Қудайдың үгит-нәсиятын писент етпей жүрме.
18Себеби Ол жаралайды ҳәм Өзи оны таңады,
Ол зыян келтиреди, бирақ Өз қолы менен шыпалайды.
19Ол сени алты бахытсызлықтан қутқарады,
Жетинши апат та саған зыян келтире алмайды.
20Ашаршылықта өлимнен,
Урыста қылыштан сақлайды.
21Ол сени тил бәлесинен қорғайды,
Апат келгенде қорқпайтуғын боласаң.
22Ўайраншылық ҳәм ашлық үстинен күлетуғын боласаң,
Жабайы ҳайўанлардан да қорқпайтуғын боласаң.
23Атыздағы таслар менен тил табысасаң,
Жабайы ҳайўанлар да сениң менен татыў болады.
24Сен үйиңниң қәўипсизлик ишинде екенин билесең,
Сүриў ҳәм падаларыңды көзден өткергениңде, ҳеш нәрсеңниң жоғалмағанын көресең.
25Сениң сансыз балаларың болады,
Урпағың жер бетиндеги шөп сыяқлы мол болады.
26Өз ўақтында буўылған бийдай баўы киби,
Жасарыңды жасап, қәбириңе киресең.

 

27Мине, бизлер буны изертледик, ҳәммеси ҳақыйқат екен,
Усыларды тыңлап, қабыл қыл.

 

6

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Аҳ, егер мениң шегип атырған қайғым өлшенип,
Мен көрген апатшылық тәрезиге тартылса еди!
3Олар теңиз қумынан да аўыр болар еди.
Сонлықтан ойланбай сөйледим.
4Қүдирети күшли Қудайдың оқлары денеме қадалды,
Руўхым олардың зәҳәрин ишпекте,
Қудай жиберген қорқыныш маған қарсы сапқа дизилген.
5Қуланның жайлаўда оты мол болса, аңқырар ма еди?
Ямаса өгиз ақырының басында мөңирер ме еди?
6Аўқаттың дузсыз дәми бола ма?
Ямаса мәйектиң ақ уўызында дәм бар ма?
7Бундай аўқатлардан дәм татқым келмейди,
Ондай аўқатлардан жүрегим айныйды.

 

8О, егер тилегим орынланып,
Қудай әрманыма жеткизсе еди!
9Қудай мени езип тасласа еди,
Қолын созып жанымды алса еди!
10Сонда мен жубаныш табар едим,
Қатты аўырып атырсам да, қуўанар едим.
Себеби мен мухаддес Қудайдың сөзлеринен жүз бурмадым.
11Күшти қайдан табаман күтетуғындай?
Ақыбетим не болар сабыр қылатуғындай?
12Мениң күшим тастан ба еди?
Ямаса денем темирден бе еди?
13Өзиме өзим жәрдем бергендей күшим қалды ма?
Табыс та мени тәрк етти.

 

14Достына мийрим көрсетиўден бас тартқан адам,
Қүдирети күшли Қудайдан қорқыўдан ўаз кешкен адам болады.
15Досларым, сизлер де қурып қалған сай киби турақсызсыз,
Ағып кететуғын сай суўларына уқсайсыз.
16Олар муз еригенде ылайланып тасып,
Қар суўларына толып кетеди.
17Бирақ қурғақ мәўсимде олардың суўлары тартылып,
Ыссыда жоқ болып кетеди.
18Кәрўанлар суў излеп, бағытын өзгертер,
Шөлге кирип кетип, набыт болар.
19Тема журтының кәрўанлары суў излер,
Шеба журтының саўдагерлери үмит пенен қарар.
20Олар өз үмитине алданар,
Сол жерге келип, албырап қалар.
21Сизлер де мен ушын сол сайлар сыяқлысыз,
Мениң қорқынышлы аўҳалымды көрип, ҳүрейиңиз ушып кетти.
22Мен сизлерден саўға сорап па едим?
Ямаса мен ушын байлығыңыздан төлем төлең дедим бе?
23Мени душпан қолынан қутқарың деп жалындым ба?
Ямаса қарақшылардың қолынан мени сатып алың дедим бе?

 

24Маған үйретиң, үндемей турайын,
Көрсетиңлер, мен неде алжастым?
25Туўры сөз қандай ашшы!
Бирақ сизлердиң айыплаўларыңыз нени дәлиллейди?
26Сизлер мениң сөзлеримди дүзетпекшимисиз?
Езилген адамның сөзлерин итибарға ылайықсыз деп санайсызлар ма?
27Сизлер, ҳәтте, жетимлер ушын шек таслаўдан,
Досларыңызды саўдаға салып, сатыўдан тайынбас едиңиз.
28Енди өтинемен, маған қараңлар,
Бетиңизге қарап, өтирик сөйлемеймен ғой.
29Райдан қайтың, енди әдалатсыз болмаңлар,
Райдан қайтың, себеби мен ҳақпан!
30Ямаса аўзымнан әдалатсыз сөзлер шыққан ба еди?
Яки тилим апатшылықтың дәмин айыра алмай ма?

 

7

 

Аюптың өмирден налыўы

 

1Адамның жердеги турмысы аўыр мийнеттен ибарат емес пе?
Оның күнлери күнликшиниң күнине уқсамай ма?
2Адам кешки көлеңкени аңсаған қулға,
Мийнет ҳақысын күткен күнликшиге уқсайды.
3Сол сыяқлы, үлес етип мәниссиз айлар берилди,
Пайыма азаплы кешелер тийди.
4Жатқанымда: «Қашан турар екенмен?» – деп айтаман,
Бирақ түн узаққа созылып,
Таң атқанша, өрден-ыққа аўнап шығаман.
5Денемди қурт пенен жара басқан,
Терим тесилип, ириң ақпақта.
6Күнлерим тоқыўшының мәкисинен де тезирек өтпекте,
Бирақ үмитсиз жуўмақланбақта.

 

7О, Қудай! Өмиримниң бир дем сыяқлы екенин умытпа,
Көзим енди қайтып жақсылықты көрмейди.
8Мени көрип турған көзлериң кейин мени көрмейди,
Көзлериң мени излейди, бирақ мен жоқ боламан.
9Булттың серпилип, жоқ болып кеткениндей,
Өлилер мәканына кеткен адам да қайтып келмейди.
10Ол үйине қайтып келмейди,
Жасаған жери де енди оны еске алмайды.

 

11Соның ушын аўзыма ерк беремен,
Өз дәртимди баян етемен.
Жанымның азабы ишинде шағым етемен.
12Қудайым, Сен маған сақшы қоятуғындай,
Мен не, теңиз ямаса теңиз айдарҳасы ма едим?
13Төсегим маған тәселле берер,
Жатсам, дәртим жеңиллесер, деп ойласам,
14Мени түслер арқалы қорқытып,
Аянлар арқалы зәрремди ушырасаң.
15Бул денеде жасағаннан гөре,
Буўылып, өлгеним жақсы еди.
16Мен жасаўдан тойдым, мәңги жасаўды қәлемеймен,
Мени тыныш қой, өмирим өзи бир демдей ғана.

 

17Инсан ким өзи, оны сонша қәдирлеп,
Оған дыққат қоясаң,
18Ҳәр таңда оны тексерип,
Ҳәр сәтте оны сынайсаң?
19Қашанға шекем меннен көз үзбейсең?
Түкиригимди жутып алғанша да, мени тыныш қоймақшы емесписең?
20Егер гүна ислеген болсам, Саған не тәсири бар, о, адамзаттың Гүзетшиси?
Не ушын мени Өзиңе нышан қылып қойдың?
Мен Саған соншелли жүк болдым ба?
21Не ушын қылмысларымды кеширип,
Гүналарымды меннен алып тасламайсаң?
Себеби тез арада топыраққа қайтаман.
Мени излейсең, бирақ мен жоқ боламан.

 

8

 

Билдадтың биринши сөзи

 

1Сонда шуўахлы Билдад Аюпқа былай деди:

 

 

2– Қашанға дейин усы сөзлериңди даўам етесең?
Аўзыңнан шыққан сөзлериң даўылға уқсайды.
3Қудай әдилликти бурмалай ма?
Қүдирети күшли Қудай ҳақыйқатты бурмалай ма?
4Балаларың Оған қарсы гүна иследи.
Сонлықтан Қудай да оларды гүналары ушын жазалаған.
5Бирақ, сен егер Қудайды шақырып,
Қүдирети күшли Қудайға жалбарынсаң,
6Егер сен пәк ҳәм әдил болсаң,
Онда Ол саған жәрдемге келип,
Сени ылайықлы орынға қайтарады.
7Сонда басланыўы кишкене болса да,
Келешегиң уллы болады.

 

8Өтинемен, өткен әўладлардан сорап көр,
Олардың ата-бабаларының нелерди излеп билгенин қарап көр.
9Себеби бизлер кеше туўылдық, ҳеш нәрсе билмеймиз,
Бизлердиң жер бетиндеги күнлеримиз көлеңкедей өткинши.
10Олар саған үйретип, нәсият береди,
Жүреклериндеги сөзлерин сөйлеп береди.

 

11Батпақлық жоқ жерде папирус[4] өсе ме?
Суўсыз жерде қамыс бой соза ма?
12Ҳәтте, олар көгерип турып, еле орылмай атырып-ақ,
Ҳәмме шөплерден бурын қуўрап қалады.
13Қудайды умытқанлар да келешекте сол күйге түседи,
Қудайсызлардың үмити де солай қурыйды.
14Олардың исенгени морт,
Сүйенгени өрмекшиниң аўындай.
15Сондай адам өз үйине сүйенсе, үй тура алмайды,
Беккем усласа да, ол шыдам бере алмайды.
16Қудайсыз адам қуяш астында суўы мол жерде өсип турған өсимликке уқсайды,
Оның шақалары бағ үстинде жайылып турады.
17Тамырлары тас үйиндилерин орап алып,
Таслардың арасына орналасып алады.
18Ал егер өсимлик сол жерден жулып тасланса,
Сол жердиң өзи оннан танып: «Сени ҳеш қашан көрмедим», – дейди.
19Оның өмириниң қуўанышы мине, усылай аяқланады!
Ал топырақтан болса, басқа өсимликлер өсип шығады.

 

20Қудай минсиз адамды тәрк етпейди,
Жаўызлық ислегенлерди де қолламайды.
21Ол және, сениң аўзыңды күлкиге,
Еринлериңди шадлық ҳаўазына толтырады.
22Сонда душпанларың уятқа қалады,
Залымлардың шатыры ўайран болады.

 

9

 

Аюптың Билдадқа берген жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Аўа, ырас, буның сондай екенин мен де билемен,
Бирақ инсан Қудайдың алдында қалай ақлана алады?
3Егер адам Қудай менен тартыспақшы болса да,
Ол берген мың сораўдан биреўине де жуўап бере алмас еди.
4Қудайдың даналығы терең, қүдирети күшли,
Оның менен қасарысып,
Ким аман қала алды?
5Алдын ала ескертпей-ақ, Ол таўларды жылжытар,
Ғәзепленгенде, оларды аўдарып таслар.
6Ол жерди орнынан қозғап, силкитер,
Оның тиреклерин титиретер.
7Ол қуяшқа буйрық берсе, қуяш уясынан шықпай қояр,
Жулдызларды да қулыплап қояр.
8Оның жалғыз Өзи көклерди жайған,
Ол теңиз толқынлары үстинде жүрер.
9Ол аспанның арқа тәрепиндеги жулдызлар топарын,
ортасындағы жулдызлар топарын ҳәм қубладағы жулдызлардың ҳәммесин жаратты.
10Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп,
Сансыз кәраматлар көрсетер.
11Егер Ол қасымнан өтип кетсе де, мен Оны көрмеймен,
Жақынлап өтип кетсе де, мен Оны байқамайман.
12Егер Ол алып қойса, Оны ким тоқтата алады?
Ким Оған: «Сен не қылып атырсаң?» – деп айта алады?
13Қудай Өз ғәзебин тутып турмайды,
Раҳабтың[5] жәрдемшилери де Оның аяғына жығылады.

 

14Солай екен, мен қалай Оған жуўап бере аламан?
Оған айтыў ушын сөзлерди қайдан табаман?
15Айыпсыз болсам да, Оған жуўап бере алмас едим,
Мен тек Қазымнан реҳим етиўин ғана сорап жалбарынар едим.
16Егер Оны даўыслап шақырсам, Ол да маған жуўап берсе еди.
Бирақ, мениң даўысыма қулақ салатуғынына исенбеймен.
17Ол мени дүбелей менен соққылап, азап бермекте,
Айыпсыздан айыпсыз жараларымды көбейтпекте.
18Ол дем алыўға да жол қоймайды,
Жүрегимди қайғыға толтырып атыр.
19Егер күш сыналса, Ол күшли!
Егер әдалат соралса, Оны ким қазыханаға алып келе алады?
20Айыпсыз болсам да, өз аўзым мени айыплы етер,
Егер, ҳәтте, минсиз болсам да, Ол мени наҳаққа шығарар.

 

21Мен минсизбен, бирақ енди маған бәри бир,
Өз өмиримнен түңилип турман.
22Аўа, бәри бир екен. Сонлықтан мен былай деймен:
«Қудай айыпсызды да, залымды да набыт қылады».
23Бахытсызлық тосаттан өлим келтирсе,
Ол айыпсызлардың басына түскен апатқа күледи.
24Жер жүзи залымлардың қолына берилген,
Ол оның қазыларының көзин жаўып қойған.
Егер буны Ол ислемеген болса, онда басқа ким екен?

 

25Күнлерим жуўырыўшыдан да тез жуўырып өтпекте,
Олар жақсылық көрмей-ақ, өтип кетпекте.
26Олар қамыс қайық сыяқлы,
Олжаға тасланған бүркит сыяқлы, тез көзден ғайып болады.
27Егер мен: «Шағымымды умытайын,
Қайғылы түримди өзгертип, күлимсирейин», – десем де,
28Бәри бир көретуғын азабымнан қорқар едим.
Себеби билемен, Сен мени айыпсыз деп санамайсаң.
29Егер айыплы деп табылған екенмен,
Онда бостан-босқа гүресип не қыламан?
30Ҳәтте, қар суўына жуўынсам да,
Қолларымды сабын менен жуўсам да,
31Бәри бир Сен мени ылай шуқырға таслайсаң,
Ҳәтте, кийимлерим де меннен жеркенеди.

 

32Қудай мен сыяқлы инсан болмағанлықтан,
Мен Оған жуўап бере алмайман,
Оның менен бирге қазыханаға да бара алмайман.
33Қолын екеўимиздиң үстимизге қойып, жарастыратуғын,
Арамызда бир дәлдалши болса еди!
34Ҳасасын үстимнен алып тасласа еди Қудай,
Қорқынышы да мени қорқытыўды тоқтатса еди!
35Сонда мен Оннан қорқпастан, Оның менен сөйлесер едим,
Бирақ бул аўҳалда ҳеш нәрсе қыла алмайман.

 

10

 

1Өмирден тойдым!
Енди арзымды еркин айтаман,
Ишимдеги ашшы дәрт пенен сөйлеймен.
2Мен Қудайға былай деймен: «Мени айыплама.
Мени не ушын айыплап атырғаныңды айт.
3Ямаса мени езиў,
Яғный Өз қолларың жаратқаннан бас тартыў,
Залымлардың нийетлерин қоллаў Саған унай ма?
4Сениң көзлериң инсанның көзлериндей ме?
Ямаса Сен де олар қарағандай қарайсаң ба?
5Сениң күнлериң де инсанның күнлериндей ме?
Жылларың адамның жылларындай ма?
6Не ушын мениң гүнамды излеп,
Айыбымды табыўға асығасаң?
7Бирақ Сен мениң айыпсыз екенимди,
Сениң қолыңнан мени ҳеш кимниң қутқара алмайтуғынын билесең.

 

8Сениң қолларың мени соғып, жаратты,
Бирақ енди мени пүткиллей жоқ қылмақшымысаң?
9Мени ылайдан қалай соққаныңды есле.
Енди мени және топыраққа қайтармақшымысаң?
10Сен емес пе, мени анамның қурсағына сүт киби қуйған,
Сол жерде мени иримтик киби қойылтқан,
11Мени тери ҳәм дене менен кийиндирип,
Сүйек ҳәм сиңирлер менен бириктирген?
12Сен маған өмир сыйлап, мийримиңди көрсеттиң,
Сениң ғамхорлығың мениң руўхымды қорғады.

 

13Бирақ, мине, Сен жүрегиңде мына нәрселерди жасырып қойдың,
Сениң нийетиңниң не екенин билемен:
14Гүна ислесем, мени гүзетип турған боласаң,
Буны жазасыз қалдырмайсаң.
15Егер айыплы болсам, маған ҳәсирет болсын!
Бирақ ҳақ болсам да, басымды көтере алмай атырман,
Себеби уятқа қалдым, дәртим аўыр.
16Егер басымды көтерсем,
Арыслан киби маған тасланасаң,
Қорқынышлы күшиңди қайтадан маған қарсы ислетесең.
17Маған қарсы жаңадан гүўалар алып келесең,
Маған деген ғәзебиңди арттырасаң,
Шабыўыл үстине шабыўыл қыласаң.

 

18Не ушын туўылыўыма жол қойдың?
Ҳеш ким мени көрместен алдын, өлгеним жақсы еди.
19Ҳеш дүньяға келмегендей болып,
Анамның қурсағынан туўры қәбирге қойылғанымда еди.
20Мениң өмир күнлерим қысқа емес пе?
Мени тыныш қой, бир сәт тәселле табайын.
21Себеби мен қайтып келмес жолға,
Тас түнек қараңғылық ҳүким сүрген жерге атланаман.
22Қойыў қараңғылыққа шүмген жерге,
Тәртипке келтирилмеген өлим түнеги елине,
Жақтылығы да тас түнек болған жерге кетемен.

 

11

 

Софардың биринши сөзи

 

1Сонда наамалы Софар былай деди:

 

 

2– Сонша көп сөз жуўапсыз қала ма?
Көп сөйлеген адам ақлана ма?
3Мылжың гәплериң адамлардың тилин тыйып қойсын ба?
Масқаралағаныңда, сени ҳеш ким уялтпасын ба?
4Сен: «Тәлимим минсиз,
Өзим де Қудайдың алдында пәкпен», – дейсең.
5Қәне, енди Қудай жуўап берип,
Саған қарсы тил қатып,
6Даналықтың сырларын билдирсе еди!
Себеби даналық көп қырлы ғой.
Билип қой, Қудай гүналарыңның базыларын жеңил жазалайды.

 

7Қудайдың терең сырларын түсине аласаң ба?
Қүдирети күшли Қудайдың шегине жете аласаң ба?
8Қудайдың даналығы аспаннан да бийик, сен не қыла аласаң?
Өлилер мәканынан да терең, не биле аласаң?
9Оның өлшеми жерден де узын,
Теңизден де кең.

 

10Егер Қудай келип, зинданға тасласа,
Ҳүким етиў ушын шақырса, ким Оған тосқынлық қыла алады?
11Себеби Ол өтирикшилерди биледи,
Ол жаўызлықты көрип, оны итибарсыз қалдыра ма?
12Қуланнан адам туўылмайтуғыны сыяқлы,
Мийи жоқ адам да дана бола алмайды.

 

13Бирақ, сен егер Оған жүрегиңди қайта бағышлап,
Қолларыңды созып, дуўа етсең,
14Егер жаўызлық ислеген болсаң, оны өзиңнен узақластырсаң,
Шатырыңнан жаманлықты қуўып шығарсаң,
15Сонда уялмастан басыңды көтерип,
Қорқпастан тикке туратуғының сөзсиз.
16Азабыңды умытып,
Оны ағып кеткен суўлар киби ядқа аласаң.
17Өмириң түстеги күнниң нурынан да жарық болар,
Ондағы қараңғылық та таң нурына айланар.
18Үмитиң болғанлықтан, арқайын боларсаң,
Әтирапың қоршалғанлықтан, қәўипсиз дем аласаң.
19Жатқаныңда, сени қорқытатуғын ҳеш ким болмайды,
Көплер сеннен мийрим излеп келеди.
20Бирақ залымлардың көзлериниң оты сөнеди,
Бас саўғалайтуғын жери де болмайды,
Үмитлери тек соңғы демин бериў болып қалады.

 

12

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Әлбетте, сизлер ҳәммесин билесиз,
Даналық та сизлер менен бирге өлип кетсе керек!
3Бирақ менде де сизлердегидей ақыл бар,
Мен де сизлерден кем емеспен,
Сизлер айтып атырғанларды ким билмейди?

 

4Мен өз досларыма күлки болдым.
Қудайды шақырғанымда, Ол маған бурын жуўап беретуғын еди.
Әдил ҳәм минсиз болсам да, күлкиге қалып отырман!
5Қайғысызлар бахытсызлыққа ушырағанды менсинбейди,
Сүрниккенди ийтерип жибереди.
6Қарақшылардың шатырында тынышлық ҳүким сүрген,
Қудайдың ғәзебин келтиргенлер қәўип-қәтерсиз жасап атыр,
Тап Қудай олардың қолында сыяқлы.

 

7Бирақ ҳайўанатлардан сора, олар саған үйретеди,
Көктеги қуслардан сора, олар саған айтып береди.
8Жер менен сөйлес, ол саған тәлим береди,
Теңиздеги балықлар саған билдиреди.
9Олардың қайсысы билмес,
Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң қолы менен исленгенин?
10Ҳәр бир жаратылыстың өмири де,
Ҳәр бир адамның жаны да Оның қолында.

 

11Аўыз аўқаттың дәмин ажыратқанындай,
Қулақ та сөзлердиң мәнисин айыра алмай ма?
12Даналық жасы үлкенлерде болмай ма?
Ақыл узақ өмир сүргенлерде болмай ма?

 

13Бирақ Қудайда даналық та, күш те бар,
Мәсләҳәт пенен ақыл да Оған тийисли.
14Ол қулатқан нәрсе қайта тикленбейди,
Ол қамаққа таслағанды, ҳеш ким босата алмайды.
15Қудай суўларды тоқтатса, қурғақшылық болар,
Егер жиберсе, дүньяны суў алар.
16Күш-қуўат пенен жеңис те Оған тийисли,
Алданған да, алдаған да Оның қолында.
17Ол мәсләҳәтшилерди жалаңаяқ айдатып,
Бийлерди ақмаққа айландырады.
18Ол патшалардың сәнли белбеўлерин шешип алып,
Беллерине арқан байлап қояды.
19Руўханийлерди де жалаңаяқ айдатып,
Күшлилерди аўдарып таслайды.
20Ол исенимли мәсләҳәтшилерди тилден айырады,
Ақсақалларды ақылынан жуда қылады.
21Ол ақсүйеклерди шерменде қылады,
Күшлилерди күшинен айырады.
22Ол қараңғылықтың терең сырларын ашады,
Тас түнекти де жарыққа шығарады.
23Халықларды уллы қылатуғын да, жоқ қылатуғын да Ол,
Оларды көбейтетуғын да, тарқатып жиберетуғын да Ол.
24Жер бетиндеги халық басшыларын ақылынан айыратуғын да Ол,
Жолсыз шөлде гездирип қоятуғын да Ол.
25Олар тас түнек қараңғылықта сыйпаланып жүреди,
Оларды мәс адамдай теңселдирип қояды.

 

13

 

1Мине, булардың ҳәммесин көзлерим көрди,
Қулақларым менен еситип, түсиндим.
2Сизлердиң билгенлериңизди мен де билемен,
Мен сизлерден кем емеспен.
3Бирақ мен Қүдирети күшли Қудай менен сөйлесип,
Даўамды Қудай менен тартысқым келеди.
4Ал сизлер мени өтирик пенен ыласлайсыз,
Ҳәммеңиз пайдасыз тәўиплерге уқсайсыз.
5Қәне, ҳәммеңиз дым үндемей отырсаңыз,
Бул сизлер ушын даналық болар еди.
6Енди мениң арзымды тыңлап,
Келтиретуғын дәлиллериме қулақ салың.
7Қудай ушын наҳақ сөзлерди айтып,
Ол ушын өтирик сөйлеўиңиз керек пе?
8Еки жүзлилик пенен Қудайды жақлап,
Оның сөзин сөйлемекшимисиз?
9Егер Қудай сизлерди тексерсе, жақсы бола ма?
Адамларды алдағандай, Оны да алдайсызлар ма?
10Еки жүзлилик етип, жасырынша Оны жақласаңыз,
Ол сизлерди сөзсиз жазалайды.
11Оның уллылығы сизлерди қорқытпай ма?
Оның айбаты сизлерге ҳүжим қылмай ма?
12Ескертиўлериңиз күл сыяқлы пайдасыз нақыллардан ибарат,
Дәлиллериңиз ылайдан исленген қалқандай ҳәлсиз.

 

13Үндемеңлер, мен сөйлеймен,
Кейин не болса, болар.
14Сонлықтан тәўекелге бел байлап,
Жанымды қәтерге қойып атырман.
15Қараңлар, Ол мени өлтирмекши, үмитим қалмады,
Бирақ мен жолларымды Оның алдында қорғайман.
16Сол арқалы қутқарыламан,
Себеби қудайсыз адам Оның алдына барыўға жүрек ете алмайды.
17Сөзлеримди дыққат пенен тыңлаң,
Гәплерим қулақларыңызға кирсин.
18Мине, мен даўа-арзымды таярладым,
Ақланатуғынымды билемен.
19Мениң менен тартысатуғын адам бар ма?
Егер биреў мени айыплы деп тапса, үндемей өлип кетемен.

 

 

Аюптың дуўасы

 

20Тек мына еки нәрсени сорайман, о, Қудай,
Соны қылсаң, мен Сеннен артық жасырынбайман:
21Меннен қолыңды тарт,
Ҳәм айбатың менен мени қорқытпа.
22Соңынан мени шақыр, жуўап беремен,
Ямаса маған сөйлеўге рухсат берип, Өзиң жуўап бер.
23Мениң қанша айып ҳәм гүналарым бар?
Маған қылмысларым менен гүнамды көрсет.
24Не ушын жүзиңди жасырасаң?
Неге мени душпаным деп санайсаң?
25Сен самал ушырған жапырақты қорқытпақшымысаң?
Қуўрап қалған қаўықты қуўдаламақшымысаң?
26Сен мен туўралы ашшы айыплар жазып қойып,
Балалығымдағы гүналарымды маған мийрас етип, берип атырсаң.
27Аяқларымды буғаўлап,
Жолларымды гүзетип,
Изимнен ҳеш қалмайсаң.

 

28Сонлықтан шириген нәрседей,
Күйе жеген кийимдей ыдырап жоқ болмақтаман.

 

14

 

1Ҳаялдан туўылған инсанның,
Өмири қысқа, азапқа толы болады.
2Ол гүл сыяқлы өседи, солып қалады,
Көлеңке сыяқлы тез өтип кетеди, турып қалмайды.
3Сондай инсан болған маған нәзериңди үзбей қарайсаң ба?
Ҳүким қылыў ушын мени дәргайыңа алып келесең бе?
4Ким ҳадалды ҳарам ишинен шығара алады?
Ҳеш ким!
5Инсанның күнлерин белгилеп,
Айларының санын санап,
Асып кетпейтуғын шек те қойған екенсең,
6Енди оннан нәзериңди алып, оны тынышына қой.
Ол да күнликшиниң жумыс күниниң аяқланғанына қуўанғанындай, өмиринен рәҳәтленсин.

 

7Ҳәтте, ағашта да үмит бар,
Оны кесип тасласа, ол қайта өседи,
Өсиўин тоқтатпайды.
8Тамырлары қартайып қаўсап,
Түбири топырақта ширип кетсе де,
9Суў ийисин алып-ақ, жайнап кетеди,
Жас терек сыяқлы шақаларын жаяды.
10Бирақ инсан өлсе, бар күшинен айырылады,
Соңғы демин шығарғаннан соң, ол қайда болады?
11Көлдиң суўы қурып қалғандай,
Дәрья суўы тартылып, кеўип қалғандай,
12Өлген адам да жатады, қайтып турмайды,
Аспан жоғалып кетпегенше, ол оянбайды,
Уйқысынан ҳеш турмайды.

 

13Қәне, Сен мени өлилер мәканына жасырып қойсаң еди,
Ғәзебиң басылғанша, сақлап қойсаң еди!
Мен ушын бир ўақыт белгилеп,
Соңынан мени еске алсаң еди!
14Адам өлгеннен соң, қайта тириле ме?
Егер сондай болса, азат етилгенимше,
Азаплы күнлеримниң барлық күнлеринде қайта тирилиўди күтер едим.
15Сонда мени, Өзиң жаратқан жаратылысыңды көргиң келгенде, шақырар едиң,
Мен де жуўап берер едим.
16Сонда Сен адымларымды санап, гүзетер едиң,
Бирақ гүналарымның есабын алмас едиң.
17Қылмысларымды дорбаға салып мөрлеп,
Ислеген гүналарымды жасырар едиң.

 

18Бирақ таўлар қулап, майдаланып,
Жартаслар өз орнынан қозғалғандай,
19Суўдың тасты жалмап,
Ағыстың топырақты ағызып кеткениндей,
Сен де инсанның үмитин жоқ қыласаң.
20Сен оны ақырына шекем езесең, ол жоқ болады,
Өлгенинде жүзин өзгертип, узаққа жибересең.
21Уллары ҳүрметке миясар болар, буннан оның хабары болмас,
Жерге урылар, буны билмес.
22Ол тек өз денесиниң азабын сезер,
Тек өзи ушын қайғырар.

 

15

 

Элифаздың екинши сөзи

 

1Сонда теманлы Элифаз былай деп жуўап берди:

 

 

2– Қарнын ыссы самалға толтырғандай,
Дана адам бундай ҳаўайы сөзлер менен жуўап бере ме?
3Пайдасыз сөзлер менен айтысып,
Мәниссиз гәплер айтып, тартысар ма еди?
4Ҳақыйқаттан да, сен Қудайдан қорқыўды шетке ысырып қойдың,
Оның алдында дуўа етиўди де болар-болмас нәрсе деп санадың.
5Гүналарың аўзыңа сөз салып тур,
Ҳийлекерлердиң тили менен сөйлеп турсаң.
6Сени айыплап атырған мен емес, ал өз аўзың,
Тилиң өзиңе қарсы гүўалық берип тур.

 

7Сен не адамзаттың туңғышымысаң?
Ямаса төбелер жаратылмастан да бурын туўылғанбысаң?
8Қудайдың мәжилисине қатнасып, Оны тыңлап па едиң?
Ямаса дана адам тек жалғыз өзиңбисең?
9Сен билип, биз билмейтуғын не нәрсе екен?
Сен түсинип, биз түсинбейтуғын не нәрсе екен?
10Арамызда ақ шашлылар да, ғаррылар да бар,
Олардың жасы сениң әкеңнен де үлкен.
11Қудайдың тәселлеси сен ушын аз болды ма?
Саған айтқан жағымлы сөзлери кемлик қылды ма?
12Не ушын жүрегиң сени алағада қылады?
Не ушын көзлериңде ғәзеп оты лаўлап тур?
13Не ушын Қудайға ашыўланып,
Аўзыңа соншелли ерк бересең?

 

14Адам қалай пәк бола алады?
Ҳаял затынан туўылған бенде қалай әдил бола алады?
15Қудай Өз периштелерине де исенбейди,
Ҳәтте, аспан да Оның нәзеринде пәк емес.
16Солай екен, наҳақлықты суў киби ишетуғын,
Иплас ҳәм бузық инсан оннан бетер емес пе?

 

17Қулақ сал, мен саған түсиндиремен,
Өзим көргенимди айтып беремен.
18Даналардың айтқанларын,
Ата-бабаларынан үйренип, жасырмай үйреткенлерин айтып беремен.
19Жер тек олардың ата-бабаларына берилген еди,
Олардың арасында жат адамлар жоқ еди.
20Залым адам өмир бойы азап шегеди,
Езиўшилерге берилген жыллар санаўлы.
21Қорқынышлы даўыслар олардың қулақларынан кетпейди,
Тынышлық ўақтында да басқыншылардың ҳүжимине ушырайды.
22Олар қараңғылықтан қутылыўға үмит етпейди,
Олардың тәғдирине қылыштан өлиў жазылған.
23Олар бир тислем нан излеп сергиздан болар,
Қараңғылық күниниң жақынласқанын да билер.
24Азап ҳәм қайғы оларды қорқынышқа салар,
Урысқа таяр турған патша сыяқлы қорқыныш оларды жеңер.
25Себеби олар қолларын Қудайға қарсы көтерип,
Қүдирети күшли Қудайды майданға шақырар.
26Қалың, беккем қалқанын көтерип,
Өжетленип, Оған қарсы жуўырар.

 

27Залым адамның бетин май қаплап,
Бөкселерине май жыйналған.
28Олар қарабақанаға айланған қалаларда жасайды,
Қулап кетейин деп турған,
Қаңырап қалған үйлерде жасайды.
29Олар байымайды, байлығы узаққа созылмайды,
Мал-мүлки жер бетине жайылмайды.
30Олар қараңғылықтан қутыла алмайды,
Олар шақалары жанған терекке уқсайды,
Қудайдың деми оларды ушырып жибереди.
31Бос нәрсеге үмит байлап, өзин алдамасын,
Себеби олардың сыйы бослық болады.
32Ўақты-сааты келмей шаўып тасланады,
Артық шақалары көгермейди.
33Олар көклей мийўеси төгилген жүзим ағашына,
Гүллери төгилип, мийўесиз қалған зәйтүн ағашына уқсайды.
34Қудайсызлардың топары нәсилсиз болады,
Парахорлардың шатырларын от жалмап, жоқ қылады.
35Олар қайғыға ҳәмиледар болып, жаўызлықты туўады,
Жүреклери жалғанға толы болады.

 

16

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Мен бундай нәрселерди көп еситтим,
Сизлердиң ҳәммеңиз қандай бийшара жубатыўшысызлар!
3Бос сөзлериңиздиң ақыры бар ма өзи?
Тартысыўға сизлерди не мәжбүрлеп тур?
4Егер сизлер мениң орнымда болғаныңызда,
Мен де сизлердиң айтқаныңызды айта аламан.
Сизлерге қарсы сөз тоқып айтып,
Басымды шайқай аламан.
5Бирақ мен сөзлерим менен тәселле берер едим,
Ернимниң қыймылдысы менен дәртиңизди жеңиллетер едим.

 

6Ал ҳәзир сөйлесем де, азабым жеңилленбейди,
Сөйлемесем де, ол басылмайды.
7Эҳ, Қудай, Сен мени женшип тасладың,
Пүткил үй-ишимди қырып тасладың!
8Жүзимди әжим менен қапладың,
Олар маған қарсы гүўалық болмақта,
Азғынлығым да маған қарсы турып,
Маған қарсы гүўалық бермекте.
9Қудай мени жек көрип, ғәзеп пенен тилким-тилким етпекте,
Тислерин қайрап маған,
Душпан көзи менен қарап, мени теспекте.
10Адамлар аўызларын керип ашып,
Мени масқаралап, шекеме урды,
Олар маған қарсы бирикти.
11Қудай мени жаўызлардың қолына тапсырды,
Залымлардың қолына таслап қойды.
12Мен тыныш жасап атыр едим, бирақ Ол мени майдалап таслады,
Желкемнен услап алып, жерге урды.
Мени Өзине нышан қылды.
13Оның садақшылары мени қоршап алды,
Аямай бөтекелеримди тесип,
Өтимди жерге төкти.
14Қудай денемдеги тесиктиң үстин қайта-қайта тесип,
Жаўынгер әскер киби үстиме топылмақта.

 

15Мен үстиме аза кийимин тиктим,
Аяқ-асты болып, топырақта отырман.
16Жылағаннан жүзим қызарды,
Қабақларым қарайып кетти.
17Бирақ қолларым жаўызлық ислемеди,
Дуўам да таза.

 

18О, топырақ, мениң қанымды жасырма,
Пәриядым ҳасла тынбасын.
19Мине, ҳәзир мениң гүўам аспанда,
Жоқарыда мениң Қорғаўшым бар.
20Досларым мени мазақ қылмақта,
Көз жасларым Қудайға қарай ақпақта.
21Биреўдиң дослары арасында тәўеллеши болғанындай,
Қудай менен мениң арамда да бир тәўеллеши болса еди!

 

22Себеби өмиримниң ақыры жақынлап қалды,
Қайта келмес жолға атланаман.

 

17

 

1Руўхым түскен, өмирим аз қалған,
Қәбир мени күтип турыпты.
2Мазақ қылыўшылар әтирапымды орап алған,
Олардың қалай хорлық көрсетип атырғанын көрип турман.

 

3О, Қудай, Өзиң маған кепил бола гөр,
Сеннен басқа ким бар мени жақлайтуғын?
4Сен мениң досларымның ақыл-санасын түсинбейтуғын етип жаўып қойдың,
Сонлықтан Сен олардың жеңиске ерисиўине жол қоймайсаң.
5Өз пайдасын гөзлеп, досларын сатқан адамның,
Балаларының көзлери соқыр болады.

 

6Қудай мени адамлардың тилине түсирди,
Олар бетиме түкирди.
7Қайғыдан көзлеримниң нуры сөнип,
Денемниң сүлдери қалды.
8Әдил адамлар буны көрип шоршып кетер,
Айыпсызлар қудайсызларға қарсы ғәзеп атына минер.
9Сонда да әдил адамлар өз жолларына берик қалар,
Қоллары таза болғанлар беккемленип бара берер.
10Қәне, сизлер және бир ҳәрекет етип көриң,
Бәри бир араңыздан дана адам таба алмаспан.

 

11Мениң күнлерим өтип кетти,
Нийетлерим де шилпәрше болды.
Жүректеги қәлеўлерим де өлди.
12Досларым түнди күндизге айландырады,
Қараңғы басса да: «Ҳәзир жарық түседи», – дейди.
13Егер өлилер мәканы мениң үйим болса,
Төсегимди қараңғылыққа салайын деп атырсам,
14Қәбирге: «Сен мениң әкемсең», – десем,
Қуртларға: «Сизлер мениң анам ҳәм апа-қарындасларымсыз», – десем,
15Онда мениң үмитимниң қайда болғаны?
Ким мениң үмитимди көре алады?
16Үмитим мениң менен бирге өлилер мәканына бара ма?
Мениң менен бирге топырақ қойнына кире ме?

 

18

 

Билдадтың екинши сөзи

 

1Сонда шуўахлы Билдад былай деп жуўап берди:

 

 

2– Бундай сөзлерди айтыўды қашан тоқтатасызлар?
Ақылға келиңлер, соңынан сөйлесемиз.
3Аюп, сен не ушын бизлерди ҳайўан деп санап турсаң?
Не ушын көзиңе ақмақ болып көринип турмыз?
4Ғәзеп пенен өз жаныңды жарақатлап атырсаң,
Сени деп жер бети қаңырап қалып,
Жартаслар өз орнынан қозғалыўы керек пе?

 

5Дурыс, залымның оты сөнеди,
Ҳәтте, ушқыны да қалмайды.
6Шатырындағы жақтылық қараңғылыққа айланады,
Жоқарысында турған шырасы да өшип қалады.
7Кең қәдемлери қысқарып,
Өз жобаларының қурбанына айланады.
8Өз аяқлары оны торға жетелеп,
Өзи барып, шуқырға түседи.
9Дузақ оны табанынан қысып алып,
Тор оны беккем услап алады.
10Ол ушын жерге бир дузақ жип қойылған,
Жолында оны қақпан күтпекте.
11Жән-жағынан қорқыныш оның зәрресин ушырып,
Ҳәр адымында изинен қуўып жүреди.
12Оның күши ашлықтан таўысылып,
Сүрниккен жеринде апат та күтип турады.
13Кеселлик оның терисин кемиреди,
Аўыр қәстелик оның мүшелерин жеп таслайды.
14Оны қәўипсиз шатырынан суўырып алып,
Қорқыныш патшасының алдына алып барады.
15Залымның шатырын өрт жалмайды,
Ол жасаған үйге ыссы күкирт жаўады.
16Оның тамырлары қурғап, кеўип,
Шақалары қуўрап қалады.
17Жер бетинде ол еске алынбай,
Көшелерде оның аты өшеди.
18Ол жарықтан түнекке айдалып,
Бул дүньядан қуўып жибериледи.
19Халық арасында оннан ул да, ақлық та қалмайды,
Ол жасаған жерде ҳеш кими қалмайды.
20Батыстағылар оның тәғдиринен қорқынышқа түседи,
Шығыстағыларды қорқыныш бийлеп алады.
21Аўа, жаўызлардың жасайтуғын жери усы аўҳалға түседи,
Қудайды танымайтуғынлардың мәканы усындай болады.

 

19

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Қашанға шекем мени қыйнап,
Сөзлериңиз бенен мени езесиз?
3Мине, мени он мәрте кемситтиңиз,
Азар бере бериўге уялмайсызлар ма?
4Егер мениң қәтелескеним ырас болса,
Онда ол мениң мойнымда.
5Өзлериңизди меннен жоқары қойып,
Шерменде болғанымды бетиме бассаңыз,
6Онда билип қойың: Қудай маған наҳақлық қылды,
Өз торын үстиме таслады.

 

7Мен: «Бул – зорлық», – деп бақырсам да, ҳеш ким жуўап бермейди.
Жәрдемге шақыраман, бирақ әдалатлық жоқ.
8Қудай жолыма бөгет қойды, өте алмайман,
Соқпақларымды қараңғылыққа бүркеди.
9Ол мени абырайымнан журдай қылып,
Басымнан тажымды шешип алды.
10Мени жән-жақтан қырып жойды, тамам болдым,
Ағашты суўырғандай етип, үмитимди түп-тамыры менен суўырып алды.
11Оның ғәзеби маған қарсы қайнамақта,
Ол мени душпан деп санайды.
12Оның ләшкерлери де маған қарсы атланып,
Мени қамал қылыў нийетинде,
Шатырым әтирапына орда қурды.

 

13Қудай туўысқанларымды меннен узақластырып,
Жақынларымды жат қылды.
14Ағайин-туўғанларым меннен жүз бурды,
Досларым мени умытты.
15Қонақларым да, шорыларым да,
Мени жат санап,
Өзге адамдай қарасады.
16Хызметшимди шақырсам, жуўап бермейди,
Оған жалыныўым керек.
17Ҳаялым демимнен тиксинеди,
Туўысқанларым меннен жеркенеди.
18Ҳәтте, кишкене балалар да мени кемситеди,
Орнымнан турсам, үстимнен күледи.
19Жақын досларым меннен жеркенеди,
Сүйгенлерим меннен жүз бурды.
20Тери ҳәм сүйегимнен басқа ҳеш нәрсем қалмады,
Тәнимде шықпас жаным ғана бар.

 

21Маған ашының, ҳәй досларым, маған ашының!
Себеби мени Қудай урды!
22Неге Қудай сыяқлы сизлер де изимнен қалмайсызлар?
Етиме еле тоймадыңыз ба?

 

23Қәне енди, сөзлерим жазып қойылса,
Орама китапқа жазып қалдырылса!
24Темир қәлем ҳәм қорғасын менен,
Тасқа ойылып мәңгиге қалса!
25Бирақ мен билемен, Әменгерим тири,
Ақырында Ол мен ушын жер бетине келип турады.
26Денем бузылып кеткеннен кейин болса да,
Усы денем менен Қудайды көремен,
27Оны мен өзим көремен! Оны көретуғын басқаның емес, мениң өз көзлерим болады.
Жүрегим[6] қанамнан шығып баратыр!

 

28Егер сизлер: «Бизлер оны қалай қуўдалаймыз,
Ақыры, мәселениң түп-тамыры онда ғой», – десеңиз,
29Онда қылыштан қорқың,
Себеби Қудайдың ғәзеби басыңызға қылыш дөндиреди,
Сонда ҳүким етиўшиниң бар екенин көресиз.

 

20

 

Софардың екинши сөзи

 

1Сонда наамалы Софар Аюпқа былай деди:

 

 

2– Қәўетерли пикирлерим мени жуўап бериўге мәжбүр етпекте,
Себеби мен қатты тынышсызланып турман.
3Мен кеўлиме тийетуғын айыплаўларыңды еситип турман,
Сонлықтан ақылым мен ушын жуўап бермекте.

 

4Билмес пе едиң әййемнен бери,
Адамзат дүньяға келгенли бери,
5Залымның шадлығы узаққа созылмады,
Қудайсыздың қуўанышы бир сәтлик ғана.
6Оның көкиреги көклерге жетип,
Басы бултларға тийсе де,
7Ол өзиниң дәрети киби мәңгиге жоқ болады.
Оны көргенлер: «Ол қай жерде?» – деп сорайды.
8Ол көрилген түс сыяқлы ғайып болады, оны ҳеш ким таба алмайды,
Түнде көринген елестей жоғалып кетеди.
9Оны көрген көзлер енди көрмейди,
Үй-ишиндегилерге қайтып көринбейди.
10Оның балалары кәмбағаллардан меҳир күтеди,
Урпақлары тартып алған мал-дүньясын қайтарып береди.
11Денесин толтырған жаслық жигери,
Оның менен бирге топырақта жатады.

 

12Жаманлық оның аўзында татлы көринип,
Оны тилиниң астына жасырса да,
13Оны қәдирлеп, жибермей,
Аўзында услап турса да,
14Ол асқазанда айнып,
Ишинде жыланның уўына айланады.
15Ол жутқан байлықларын қайтарып қусады,
Қудай оларды асқазанынан шығарып алады.
16Ол жыланның уўын сорыйды,
Зәҳәрли қара жылан оны шағып өлтиреди.
17Ағар суўлардың, сүт ҳәм пал ағып турған дәрьялардың,
Рәҳәтин көре алмайды.
18Мийнет пенен ерискенлерин жемей атырып, қайтарып береди,
Саўдадан тапқан пайдасынан ләззет алмайды.
19Себеби ол кәмбағалларды езип, оларды көзге илмеди,
Өзи салмаған үйлерди тартып алды.

 

20Нәпсиқаўлығы тынышлық бермегенликтен,
Өзи унататуғын нәрселердиң ҳеш қайсысын сақлап қала алмайды.
21Ашкөзлигинен ҳеш нәрсе қалдырмайды,
Сонлықтан абаданлығы узаққа созылмайды.
22Дәўлетли ўақтында басына апат келеди,
Апатшылықлар оны жоқ қылады.
23Қарнын қампайтып толтырып болғанда,
Қудай оған лаўлаған ғәзебин шашып,
Үстине ғәзебин жаўындай жаўдырады.
24Залым темир қуралдан қашып кетсе де,
Оны қола оқ тесип өтеди.
25Атылған оқ арқасынан шығады,
Өтин тесип өткен ушы жылтырап турады,
Өлим қәўпи оны бийлеп алады.
26Қара түнек оның ғәзийнелерин күтпекте,
Адам жақпаған от оны жалмайды,
Шатырында қалған соңғы нәрселерин де жағып жоқ қылады.
27Аспан оның айыбын әшкара етеди,
Жер оған қарсы бас көтереди.
28Оның үйиндеги байлығы жоқ болады,
Қудайдың қәҳәрленип, жазалайтуғын күни ҳәммеси селдей болып ағып кетеди.
29Мине, залымның Қудайдан алатуғын пайы усы,
Қудайдың оған беретуғын мийрасы усы.

 

21

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Сөзлеримди дыққат пенен тыңлаң,
Усы сизлердиң маған берген тәселлеңиз болсын.
3Сабыр қылың, мен де сөйлейин,
Сөйлеп болғанымнан кейин мазақ қыларсыз.

 

4Маған келсек, мен не адамға арыз қылып атырман ба?
Не ушын шыдамсызланбайын?
5Жағдайыма қараңлар, денеңиз түршигеди,
Аўзыңызды қолларыңыз бенен жаўың.
6Жағдайымды ойласам, қорқыныш бийлеп алады,
Денемди қалтыратпа басады.
7Залымлар не ушын жасаўын даўам етеди,
Қартайып, ҳәтте, күш-ғайраты арта береди?
8Балалары саў-саламат дөгерегинде,
Урпақлары көз алдында жүреди.
9Үйлери қәўипсиз, қорқыўсыз жасайды,
Қудайдың ҳасасы үстине дөнбес.
10Буғаларының төл қойыўы ҳеш босқа кетпес,
Сыйырлары бузаўлайды, ҳеш иш тасламас.
11Балаларын сүриў киби шығарып жиберер,
Перзентлери аяқ ойынға түсер.
12Дәп ҳәм лира сестине қосылып, қосық айтар,
Сыбызғы сестине қосылып, кеўил көтерер.
13Өмирлери заўқы-сапа менен өтип,
Өлилер мәканына тынышлық пенен кетер.
14Сонда да залымлар Қудайға былай деп айтар: «Бизлерди тыныш қой!
Сениң жолларыңды билиўди қәлемеймиз,
15Саған хызмет ететуғындай Қүдирети күшли Қудай, Сен ким болыпсаң?
Саған дуўа етиўден бизге не пайда? ».
16Деген менен, олардың абаданлығы өз қолының иси емес,
Залымлардың ой-қыяллары меннен аўлақ болсын!

 

17Қашан залымлардың шырағы сөнген еди?
Қашан олардың басына апат дөнген еди?
Қашан Қудай оларға ғәзепленип, жазалаған еди?
18Қашан олар жел ушырған сабандай,
Ямаса даўыл ушырған кепектей болған еди?
19Сизлер: «Олардың гүналары ушын балаларын жазалайды», – дейсизлер,
Оннан да, Қудай олардың өзлерин жазаласын,
Бул оларға сабақ болады.
20Олар опат болғанларын өз көзлери менен көрсин,
Қүдирети күшли Қудайдың ғәзебин татсын.
21Себеби өмири таўысылғаннан кейин,
Изинде қалған хожалығына не болса да, оларға бәри бир емес пе?

 

22Бирақ, ең жоқарыдағыларды да ҳүким ететуғын Қудайға,
Ким ақыл үйрете алады?
23Биреў өлгенинше, күшке толысар,
Тыныш ҳәм қайғысыз жасар,
24Денесин май басып,
Сүйеклери кемик болар.
25Екиншиси қайғыға батып,
Өмирден жақсылық көрмей өтип кетер.
26Ақырында, олар топырақта бирге жатар,
Екеўи де қуртқа жем болар.

 

27Аўа, мен сизлердиң ойыңызды билемен,
Нийетиңиз маған зыян келтириў екенин де билемен.
28Сизлер: «Сол ақсүйек адамның үйи қай жерде?
Залымлардың шатырлары қай жерде?» – дейсизлер.
29Жолаўшылардан сорамадыңыз ба?
Олар берген гүўалықларды қабылламадыңыз ба?
30Залым адам бәле келген күни аман қалады,
Ғәзеп күни оған қутылыў ушын жол ашылады.
31Жүрген жолын ким оның бетине айтады,
Қылмыслары ушын ким оған жаза береди?
32Ол қәбирге қойылғанда,
Қәбириниң басында гүзетши турады.
33Ҳәмме адамлар оның изине ереди,
Алдында жүргенлердиң де сан-санағы жоқ.
Гөрдиң топырағы да оған жағымлы болады.

 

34Бос гәплериңиз бенен мени қалай жубатасыз?
Берген жуўапларыңыздың ҳәммеси жалған.

 

22

 

Элифаздың үшинши сөзи

 

1Сонда теманлы Элифаз былай деди:

 

 

2– Адам Қудайға пайда келтире ала ма?
Ҳәтте, ең ақыллы адам да Оған пайда келтире алар ма еди?
3Сениң әдиллигиңнен Қүдирети күшли Қудай не ләззет алады?
Пәк өмир тәрзиңнен Оған не пайда?
4Қудайдың сени жазалаўы, ҳүким етиўи,
Оннан қорққаның ушын ба?
5Керисинше, сениң жаўызлығың уллы,
Гүналарың шексиз болғанлықтан емес пе?
6Себеби сен туўысқанларыңнан жөнсиз кепиллик алдың,
Кийимлерин шешип алып, жалаңаш қалдырдың.
7Шөллегенге суў бермедиң,
Аш болғанға нан бермедиң.
8Билегиңниң күши менен үлкеге ийелик еттиң,
Ҳүрметли адам болып жасадың.
9Бирақ жесир ҳаялларды қуры қол қайтардың,
Жетимлердиң қол-қанатын қайырдың.
10Сонлықтан әтирапыңды дузақлар орап алған,
Тосаттан сени қорқыныш баспақта.
11Қараңғылық ишиндесең, көре алмайсаң,
Селлер сени ғарқ қылмақта.

 

12Қудай көклерден де жоқарыда емес пе?
Жулдызларға қара, олар қаншелли бийикте!
13Бирақ сен: «Қудай не биледи?
Терең қараңғылық ишинен ҳүким ете ала ма?
14Қойыў бултлар Оны жасырып тур, Ол бизлерди көрмейди,
Ол аспан гүмбезинде айланып жүр», – дейсең.
15Сен не, залымлар жүрген,
Ески жолды тутпақшымысаң?
16Олар ўақтынан бурын жоқ қылынды,
Тийкарларын сел ағызып кетти.
17Олар Қудайға: «Бизлерди тыныш қой!
Қүдирети күшли Қудай бизлерге не қыла алар еди?» – деди.
18Бирақ олардың үйлерин берекетке толтырған Қудай еди ғой!
Ал мен болсам, залымлардың нийетинен аўлақ боламан.

 

19Әдиллер олардың қулағанын көрип, қуўанар,
Айыпсызлар олардың үстинен күлип, былай дер:
20«Душпанларымыз жоқ қылынды,
Мал-мүлки жанып, күл болды».

 

21Қудай менен жарас, тынышлықта бол,
Сонда берекет табарсаң.
22Қудайдың аўзынан шыққан көрсетпелерин қабыл етип,
Сөзлерин жүрегиңде сақла.
23Егер сен Қүдирети күшли Қудайға қайта жүз бурсаң,
Ески ҳалыңа қайтарсаң.
Шатырыңды наҳақлықтан тазаласаң,
24Алтынды жердеги топырақтай,
Офир алтынын сайдағы таслардай көрсең,
25Онда Қүдирети күшли Қудайдың Өзи сениң алтының,
Қымбатбаҳа гүмисиң болады.
26Сонда Қүдирети күшли Қудайдан заўық аларсаң,
Қудайға басыңды көтерип қарай аларсаң.
27Оған дуўа ет, Ол сени еситеди,
Сен де өзиң ўәде етип атағанларыңды бересең.
28Сонда нени нийет етсең, орынланар,
Жолларыңа нур төгилер.
29Егер биреў аяқ-асты болса, сен: «Оны қоллай гөр», – деп айтасаң,
Сонда Қудай кемкеўиллилерди қутқарады.
30Ол, ҳәтте, айыплыларды да қутқарады,
Олар сениң қолларыңның пәклиги себепли қутқарылар.

 

23

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

2– Бүгин де айтар шағымым ашшы,
Зарлағаныма қарамастан, Қудай аўыр жазалаўын даўам етпекте.
3Аҳ, егер Оны қай жерден табыўды билсем еди!
Ол тахтта отырған жерге бара алсам еди!
4Арзымды Оның алдында баян етип,
Аўзымды толтырып, дәлиллеримди айтар едим.
5Оның маған беретуғын жуўабын билип,
Не айтажағын түсинер едим.
6Ол уллы күши менен маған қарсы шығар ма еди?
Яқ, Оның Өзи мени тыңлаған болар еди.
7Әдил адам Оның менен пикир таласып билер еди,
Мен де Қазым тәрепинен мәңгиге ақланар едим.

 

8Бирақ шығысқа барсам, ол жерде Қудай жоқ,
Батысқа барсам да, Оны таба алмайман.
9Арқада бир нәрсе ислесе, мен Оны көре алмайман,
Қублаға айланса да, Оны байқамайман.
10Бирақ Қудай мен тутқан жолды жақсы биледи,
Ол мени сынаққа салғанда, алтындай пәк болып шығаман.
11Себеби аяқларым адымба-адым Оның изинен жүрди,
Ҳеш жаққа бурылмай, Оның жолын туттым.
12Аўзынан шыққан буйрықларынан жүз бурмадым,
Оның сөзлерин күнделикли тамағымнан да үстин қойдым.

 

13Қудай қарар шығарады, ким Оған қарсы шыға алады?
Ол нени қәлесе, соны қылады.
14Мен ушын шығарған қарарын Ол ақырына шекем орынлайды,
Бундай нәрселер Онда еле көп.
15Сонлықтан Оның дәргайында ҳүрейим ушады,
Бул ҳаққында ойласам, Оннан қорқаман.
16Қудай мени қоян жүрек қылып қойды,
Қүдирети күшли Қудай мени қорқынышқа салып қойды.
17Бирақ жүзимди қаплаған тас түнек қараңғылық та,
Мениң даўысымды сөндире алмады.

 

24

 

1Не ушын Қүдирети күшли Қудай ҳүким ушын ўақыт белгилемейди?
Не ушын Оны танығанлар бул күнлерди ҳеш көрмейди?
2Залымлар шегара белгилерин жылжытып,
Өзлестирип алған сүриўлерин сол жайлаўларда бағады.
3Жетимлердиң ешегин тартып алады,
Жесирлердиң өгизин кепилликке алады.
4Жарлыларды жолдан қуўып шығарады,
Үлкедеги барлық кәмбағаллар болса, олардан жасырыныўға мәжбүр болады.
5Сонлықтан кәмбағаллар шөлдеги қуланлар сыяқлы, ерте иске шығып,
Балалары ушын қула дүзден аўқат излейди.
6Олар азықларын басқалардың атызларынан топлайды,
Залымлардың жүзим бағынан қалған-қутқанларын терип алады.
7Түнди кийимсиз, жалаңаш өткереди,
Суўықта жамылатуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
8Таўда жаўған жаўыннан үсти-басы сел болып,
Баспанасы болмағанлықтан, жылыныў ушын жартасларға тығылады.

 

9Залымлар жесир ҳаялдың бөпесин көкирек сүтинен айырады,
Ал баласын қарызы ушын тартып алады.
10Жарлылар кийимсиз, жалаңаш сандалып жүреди,
Аш қарынға бийдай дәстелерин тасыйды.
11Дийўаллап қоршалған жерде зәйтүннен май шығарады,
Искенжеде жүзим сығады, бирақ өзлери шөлден ҳарыған.
12Қалаларда өлип баратырғанлар нала шекпекте,
Жарақатланған жанлар жәрдем сорап, пәрияд етпекте,
Бирақ, сонда да Қудай олардың жалбарыныўларына кеўил бөлмейди.

 

13Нурға қарсы бас көтеретуғынлар да бар,
Олар нурдың жолын танымас,
Оның соқпақларынан да жүрмес.
14Жарлы ҳәм кәмбағалды өлтириў ушын,
Қанхор күн батқанда аяққа турар,
Түнде болса, урлық қылар.
15Бузықшылық қылыўшының көзи ымырт жабылыўын күтер,
Ол: «Мени ҳеш ким көрмейди», – деп ойлап,
Жүзин жаўып алар.
16Қараңғылықта урылар үйлерди тонап,
Ал күндизлери өз үйлерине тығылып алар,
Олар нурдың не екенин билмес.
17Себеби олар ушын азан өлимдей қойыў қараңғылық,
Ал түнектиң қорқынышлары – олардың досты.

 

18Бирақ ондай адамлар суў бетиндеги көбиктей тез жоқ болады,
Олардың жер бетиндеги үлесине нәлет жаўған,
Ҳеш ким олардың жүзим бағына аяқ баспас.
19Ыссы ҳаўа ҳәм қурғақшылық қар суўларын сорып алғандай,
Өлилер мәканы да гүнакарларды өз қушағына алады.
20Оларды, ҳәтте, қурсағына көтерген ана да умытады,
Қуртлар оларды ҳәз етип жейди,
Оларды артық ҳеш ким еслемейди,
Солай етип, наҳақ адамлар ағаш киби сындырылады.
21Залымлар перзенти жоқ, қақсал ҳаялға зулымлық қылар,
Жесирге ҳеш жақсылық қылмас.
22Бирақ Қудай Өз күши менен күшлилерди жоқ қылар,
Олар беккем орналасып алса да, өмири ушын үмити болмас.
23Қудай оларға қәўипсизлик берер, олар Оған сүйенер,
Бирақ Қудайдың көзлери олардың жолларында.
24Олар бир демге көтерилип, кейин жоқ болар,
Төменлетилер, басқалар киби өлип кетер,
Масақ сыяқлы қуўрап қалар».

 

25Солай емес пе? Жалған деп, ким мени айыплай алады?
Ким мениң гәплеримниң бос екенин көрсете алады?

 

25

 

Билдадтың үшинши сөзи

 

1Сонда шуўахлы Билдад былай деди:

 

 

2– Қудайда бийлик бар ҳәм Ол айбатлы!
Ол Өзиниң бийик аспанында тынышлық орнатқан.
3Оның ләшкерлерин санаўға сан жете ме?
Ол жақтылығын кимниң үстине түсирмейди?
4Сонда инсан Қудайдың алдында қалай әдил бола алады?
Ҳаял затынан туўылған қалай пәк бола алады?
5Ҳәтте, Қудайдың нәзеринде ай да жарық емес,
Жулдызлар да пәк емес.
6Солай екен, инсан Қудайдың көзине қурт сыяқлы,
Адам баласы күйе қурты сыяқлы көринер.

 

26

 

Аюптың жуўабы

 

1Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

 

 

2– Аҳ, ҳәлсизге сен қалай жәрдем бердиң!
Күшсизге қалай мәдет бердиң!
3Ақылсызға қалай мәсләҳәт бердиң!
Даналықты қалай терең түсиндире алдың!
4Бул сөзлерди айтыўға саған ким жәрдем берди?
Сен арқалы сөйлеген кимниң руўхы?

 

5Суўлардың ҳәм олардағы тиришиликтиң астында мәкан басқан,
Өлилердиң руўхлары титирейди.
6Өлилер мәканы Қудайдың алдында жалаңаш,
Набыт болыў мәканының да жапқышы жоқ.
7Қудай көклердиң арқа тәрепин бослыққа жайып қойды,
Жерди де бослыққа асып қойды.
8Ол суўларды Өз бултларының ишине салып қойды,
Бирақ бултлар суўлардың аўырлығынан жыртылып кетпейди.
9Ол тахттың үстин жаўып қойып,
Үстине Өз бултларын жайды.
10Суўлардың бетин шегаралап сызып,
Жақтылықты қараңғылықтан айырды.
11Қудай абай еткенде,
Аспанның сүтинлери қалтырасып, титиреседи.
12Ол Өз күши менен теңизди тынышландырды,
Өз ақылы менен теңиз айдарҳасы Раҳабты жоқ қылды.
13Өз деми менен бултларды қуўып, аспанды ашық қылды,
Қоллары менен қашып баратырған үлкен жыланды жоқ қылды.
14Бул Оның ислериниң кишкене бир бөлеги ғана,
Ол ҳаққында еситкенлеримиз сыбырлап айтылғандай жүдә аз.
Оның қүдиретиниң гүркиреўин ким түсине алады?

 

27

 

1Аюп тартысыўын даўам етип, былай деди:

 

 

2– Ҳуқықымнан маҳрум еткен тири Қудай ҳақы,
Жанымды ҳәсиретке толтырған Қүдирети күшли Қудай ҳақы ант ишемен:
3Геўдемде жаным бар екен,
Қудай берген дем мурнымда екен,
4Аўзымнан наҳақ сөз шықпайды,
Тилим жалған сөз айтпайды.
5Сизлерди ҳеш қашан ҳақ деп тән алмайман,
Өлгенимше, пәклигимнен бас тартпайман.
6Әдиллигимде беккем турып, оннан ҳасла жүз бурмайман,
Тири екенмен, ҳүжданым мени айыпламас.

 

7Душпанымның басына залымның күни,
Қарсыласымның басына наҳақтың күни түссин.
8Себеби Қудай қудайсыздың жанын алып, оны жоқ қылғанда,
Онда қандай үмит қалады?
9Қудайсыздың басына апатшылық түскенде,
Қудай оның дад салып жылағанын есите ме?
10Ол қүдирети күшли Қудайдан заўық ала ма?
Бәрқулла Қудайды шақыра ала ма?
11Қудайдың қүдирети ҳаққында сизлерге үйретемен,
Қүдирети күшли Қудайдың нийетин сизлерден жасырмайман.
12Ҳаслында, булардың ҳәммесин өзлериңиз көрдиңиз,
Онда неге ҳәммеңиз мәниссиз сөзлерди сөйлей бересиз?

 

13Залым адамның Қудайдан алатуғын үлеси,
Қысым көрсетиўшиниң Қүдирети күшли Қудайдан алатуғын мийрасы мынаў:
14Оның балалары қаншелли көп болса да,
Олар қылыштан қырылып кетеди,
Урпақларының жеткиликли тамағы болмайды.
15Тири қалғанлары кеселликтен өлип, көмиледи,
Жесир қалған ҳаяллары жоқлаў айтып, жыламайды.
16Жаўыз адам жердиң шаңындай мол гүмис жыйнаса да,
Ылайдай мол кийим-кеншек топласа да,
17Оның топлағанларын әдиллер кийеди,
Айыпсызлар гүмислерди бөлисип алады.
18Жаўыздың салған үйи өрмекшиниң аўындай,
Гүзетшиниң шертегиндей ҳәлсиз болады.
19Ол бай болып, уйқыға кетеди, бирақ артық ондай болмайды.
Көзин ашқанда, байлығы жоқ болып шығады.
20Қорқыныш оны сел киби басады,
Түнде дүбелей ушырып кетеди.
21Шығыс самалы оны ушырып алып кетип,
Ол көзден ғайып болады.
Оны өз орнынан сыпырып таслайды.
22Самал аяўсыз оған тасланар,
Ол самалдың күшинен қашыўға урынады.
23Самал оның үстинен күлип, қолларын шапалақлап,
Өз орнынан изинен ысқырады.

 

28

 

Даналық ҳаққында жыр

 

1Мине, гүмис қазып алынатуғын кәнлер,
Алтынды тазартатуғын орынлар бар.
2Темир жерден қазып алынады,
Мыс та тастан балқытып алынады.
3Кәнши қараңғылыққа шек қояды,
Жер астының узақ шетине барып,
Түнек ҳәм қойыў қараңғылықтан қазылма излейди.
4Ол адам жасайтуғын жерлерден узақта,
Адам аяқ баспайтуғын жерлерде қудық қазып,
Ҳәммеден узақта жипке асылып, тербелип турады.
5Жер бетине келсек, оннан азық-аўқат өнип шығады,
Ал жер асты болса, жандырылғандай астан-кестен болып атыр.
6Оның таслары лазуриттиң мәканы,
Топырағында алтын бар.
7Жыртқыш қус кәнге баратуғын жолларды билмейди,
Суңқардың көзи оған түспейди.
8Жабайы ҳайўанлар ол жерлерге аяқ баспаған,
Арыслан да ол жерлерден жүрмеген.
9Адам жартасларды сындырып,
Таўларды түп-тамыры менен қопарып таслайды.
10Ол жартаслар арасынан жол ашады,
Көзлери ҳәр бир баҳалы нәрсени көреди,
11Адам дәрьялардың сағасын табады,
Жасырын болғанларды жақтылыққа шығарады.

 

12Бирақ даналықты қаяқтан табыўға болады?
Ақылдың мәканы қай жерде екен?
13Адамзат оның қәдирин билмес,
Бул дүньядан оны таба алмас.
14Терең суўлар: «Ол менде емес», – дер,
Теңиз де: «Ол мениң жанымда да емес», – дер.
15Оны сап алтынға сатып ала алмайсаң,
Қунын гүмис пенен де төлей алмайсаң.
16Даналық Офир алтыны менен де,
Қымбатбаҳа оникс ҳәм лазурит пенен де баҳаланбас.
17Ол алтын менен де, кристалл менен де салыстырылмас,
Сап алтын буйымға да алмастырылмас.
18Маржан ҳәм яшманы айтпай-ақ қояйық,
Даналық яқыттан да қымбат турады.
19Куш хризолити де оған салыстырылмас,
Сап алтын менен де оның қуны өлшенбес.

 

20Даналық қайдан келеди?
Ақылдың мәканы қай жерде екен?
21Ол барлық тири жанлардың көзинен жасырынған,
Көктеги қуслардан да сыр сақланған.
22Набыт болыў мәканы ҳәм өлим:
«Биз ол ҳаққында тек мыш-мыш еситтик», – дейди.

 

23Даналыққа барар жолды Қудай түсинеди,
Оның мәканын тек Ол биледи.
24Себеби Ол жердиң шетлерине дейин көз салар,
Көклердиң астындағылардың ҳәммесин көрер.
25Ол самалға күш берип,
Суўлардың өлшемин белгилеп бергенде,
26Ол жаўын ушын қарар шығарып,
Жылдырым ушын жол белгилегенде,
27Ол даналықты көрип, оны баҳалады,
Оны тексерип, тастыйықлады.
28Соңынан адамға: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийеден қорқыў – бул даналық,
Жаўызлықтан аўлақ болыў – бул ақыллылық», – деди.

 

29

 

Аюптың өткен өмирин аңсаўы

 

1Аюп сөзин даўам етип былай деди:

 

 

2– Қәне енди, өткен айлар,
Қудай мени қорғап-сақлаған күнлер қайтып келсе еди!
3Сол ўақытлары Оның шырасы басым үстинде жарқырап,
Оның нуры менен қараңғылықты қәўипсиз кесип өтер едим!
4Аўа, өнип-өскен күнлерим,
Қудайдың дослығы шатырымды қорғап турған күнлер қайтып келсе еди!
5Сол күнлери Қүдирети күшли Қудай еле мениң менен бирге болып,
Балаларым да әтирапымда еди.
6Үйимде ағарғаным мол болып,
Жартас мен ушын зәйтүн майын дәрья қылып ағызар еди.

 

7Қала дәрўазасы алдына барып,
Майдандағы орныма отырмақшы болғанымда,
8Жаслар мени көрип жол берер,
Жасы үлкенлер де орнынан турар еди.
9Басшылар да сөйлеўин тоқтатып,
Қоллары менен аўызларын басар еди.
10Ақсүйеклердиң де даўысы сөнип,
Тиллери таңлайына жабысып қалар еди.
11Мени тыңлағанлар маған рахмет айтар еди,
Мени көргенлер мени мақтар еди.
12Себеби мен нала шеккен жарлыны да,
Жәрдемге мүтәж жетимди де қутқарар едим.
13Өлим төсегинде жатырғанлар маған пәтиясын берер еди,
Жесир ҳаяллардың жүреги де мен берген жәрдемнен қуўанышқа толар еди.
14Әдилликти кийим киби кийип алдым,
Әдалатлық шапаным ҳәм сәллемдей еди.
15Соқырға көз,
Майыпқа аяқ болдым.
16Жарлыларға әкелик қылдым,
Өзим танымаған адамның даўын да әдиллик пенен шешип бердим.
17Наҳақлардың жақларын сындырып,
Олжасын аўзынан тартып алар едим.

 

18Сонлықтан мен былай ойлар едим: «Күнлерим қум киби көп болады,
Мен өз ошағымның басында жан беремен,
19Себеби мен тамыры суўға тийип турған,
Шақаларына түн бойы шық түсип туратуғын терек яңлыман.
20Атақ-абырайым өсе береди,
Қолымдағы оқ жай жаңалана береди».

 

21Адамлар маған сабырлылық пенен қулақ салып,
Кеңеслеримди үнсиз тыңлар еди.
22Мениң сөзлеримнен кейин ҳеш ким гәп қоспас еди,
Сөзлерим оларға майдай жағар еди.
23Олар мени жаўынды күткендей күтер еди,
Сөзлеримди бәҳәрдеги жаўынды симирген жер сыяқлы симирер еди.
24Оларға күлип қарасам, көзлерине исенбес еди,
Жүзимдеги нурдан олар жигерленер еди.
25Оларға бас болып, жол көрсетип отырар едим,
Ләшкерлери арасындағы патша сыяқлы,
Жылағанларды жубататуғын адам болып жасадым.

 

30

 

Аюптың өзиниң хорланып атырғаны ҳаққында айтыўы

 

1Мине енди, өзимнен жасы киши болғанлар үстимнен күлип отыр.
Олардың әкелерин сүриўимди қорыйтуғын ийтлердиң жанына қойыўға да ылайық көрмес едим.
2Олардың қолларындағы күштен маған не пайда?
Олар күш-қуўаттан айырылған.
3Жоқшылық пенен ашлықтан қурыған,
Олар түнде шөлде ҳәм елсиз жерлерде шөп тамырын кемиреди.
4Путалардың түбинен ашшы шөплер тереди,
Теректиң тамыры – олардың аўқаты.
5Олар халық арасынан қуўып жиберилген,
Урыларға бақырғандай, олардың изинен бақырады.
6Олар сайлардың жыраларында,
Жердеги шуқырларда ҳәм жартаслардағы үңгирлерде жасаўға мәжбүр.
7Олар путалар арасында улысып,
Шатлы путалар астында топланады.
8Олар ақмақ, ата-теги белгисиз адамлардың уллары,
Оларды елден қамшылап қуўып шыққан.

 

9Енди болса, мен олардың балаларының қосығына айландым,
Олар ушын күлки болдым.
10Олар меннен тиксинип, жаныма жоламайды,
Бетиме түкириўден де тартынбайды.
11Себеби Қудай мениң оқ жайымның жибин босатып жиберип, мени жерге урғаны ушын,
Олар мениң алдымда өзлерин жылаўлай алмайтуғын болды.
12Бул гәззаплар мениң оң қапталымнан ҳүжим қылып,
Аяқларымнан шалып,
Өзлериниң набыт қылатуғын жолын маған қарсы таярлайды.
13Олар жолымды тосып,
Басыма түсетуғын апатшылықты тезлетеди,
Оларды тоқтататуғын ҳеш ким жоқ.
14Олар омырылған үлкен тесиктен жапырылып кирип,
Топандай үстиме бастырады.
15Мени қорқыныш басқан,
Абырайым самалға суўырылғандай ушып кетти,
Дәўлетим де булт киби өтип кетти.

 

16Енди жаным мени тәрк етпекте,
Қайғылы күнлер мени қоршап алды.
17Түни менен сүйеклерим сырқырап,
Азары тынымсыз жанымды жейди.
18Қудай қәҳәр менен кийимимнен услап,
Шапанымның жағасы сыяқлы мени қылқындырады.
19Қудай мени ылайға ылақтырды,
Мен шаң ҳәм күлге айландым.

 

20О Қудай, Саған жалбарынаман, маған жуўап бермейсең,
Аяққа турсам, маған тек қарап турасаң.
21Маған реҳимсиз болып кеттиң,
Өз күш-қуўатың менен мени қуўғын қылып атырсаң.
22Қуйын менен мени көтерип алып, ылақтырып,
Даўылдың ишинде анда-мында зыңғытасаң.
23Аўа, мени өлимге,
Барлық тири жан ушын тайынланған үйге алып баражағыңды билемен.

 

24Азап шегип, жәрдем сорап, пәрияд еткенге,
Ҳеш ким қарсы қол көтермес!
25Күни аўыр болғанлар ушын мен жыламадым ба?
Жарлылар ушын жаным ашымады ма?
26Бирақ мен жақсылықтан үмит қылсам, жаманлық келди,
Жақтылықты күтсем, түнек келди.
27Жүрегим астан-кестен, тыным билмейди,
Басыма қайғылы күнлер түскен.
28Қарайып кеттим, бирақ қуяштан емес,
Жыйын арасында турып, жәрдем сорап, пәрияд етемен.
29Мен шағаллардың туўысқаны,
Үкилердиң жолдасы болдым.
30Терим қарайып, түлеп түспекте,
Сүйеклерим ыссылықтан күймекте.
31Лирамның даўысы жоқлаў айтқанлардың,
Сыбызғымның даўысы жылағанлардың даўысына айланды.

 

31

 

Аюптың соңғы рет өз айыпсызлығын айтыўы

 

1Қызларға қумарланып қарамаў ушын,
Көзлерим менен келисим дүздим.
2Себеби аспандағы Қудайдан алатуғын пайым не болады?
Жоқарыдағы Қүдирети күшли Қудайдан берилген мийрасым не болады?
3Ол әдалатсызлардың басына апат,
Жаўызлық қылғанлардың басына бәле жаўдырмай ма?
4Ол мениң жолларымды көрип,
Ҳәр бир адымымды санамай ма?

 

5Егер мен жалған жолдан жүрип,
Аяғым ҳийлеге асықса,
6Қудай мени туўры тәрезиге тартсын,
Ҳәм Ол мениң пәклигимди билсин.
7Егер аяқларым туўры жолдан тайған,
Жүрегим көзлериме бойсынған,
Ямаса қолларым ҳарамланған болса,
8Онда еккен егинимниң өнимин басқалар жесин,
Егинлерим тамыры менен суўырылып қалсын.

 

9Егер бир ҳаял арқалы жүрегим азғырылса,
Қоңсымның қапысы алдында оның ҳаялын аңлыған болсам,
10Онда мениң ҳаялым басқаның бийдайын тартсын,
Басқа еркеклер оның менен жатсын.
11Ақыры, бул жеркенишли жынаят,
Ҳүким қылынатуғын гүна.
12Сондай ислер набыт болыў мәканына дейин жандырып баратуғын от болып,
Пүткил егинимди тамыры менен күйдирип жиберер еди.

 

13Егер қул ҳәм шорыларым маған арыз қылғанда,
Мен оларға әдалатсызлық қылған болсам,
14Онда Қудай орнынан турғанда, мен не қыламан?
Ол есап сорағанда, Оған не деп жуўап беремен?
15Мени анамның қурсағында жаратқан, оларды да жаратпады ма?
Бизлерге қурсақта пишим берген бир Қудай емес пе?

 

16Егер мен жарлылардың тилегин орынламаған,
Жесирлердиң үмитин пушқа шығарған болсам,
17Ямаса нанымды бир өзим жеп,
Жетимлер менен бөлиспеген болсам,
18Жаслығымнан жетимлерге әкелик қылып келдим,
Өмир бойы жесирлерге ғамхорлық қылдым.
19Егер кийими болмағаны ушын жан берип атырғанды,
Ямаса жамылатуғын нәрсесиз қалған жарлыны көрип,
20Оларға қойларымның жүнинен кийим кийгизбеген болсам,
Олар да жүректен маған алғыс айтпаған болса,
21Қазыханада сөзимниң өтетуғынына көзим жетип,
Жетимге қол көтерген болсам,
22Онда қолларым ийнимнен жулынып түсип,
Буўынларынан бөлинип қалсын.
23Себеби мен Қудайдан келетуғын апаттан қорқатуғын едим,
Қудайдың уллылығын биле тура, ондай ис қыла алмас едим.

 

24Егер алтынға үмит байлаған болсам,
Ямаса сап алтынға: «Сен – мениң үмитимсең», – деген болсам,
25Байлығымның моллығына,
Көп нәрсеге қол жеткизгениме мақтанған болсам,
26Жарқырап турған қуяшқа қарап,
Жымыңлаған айдың жүргенине қарап,
27Жүрегим иштей азғырылып,
Қолларымды сүйип, оларға қарай жайып табынған болсам,
28Бул да ҳүкимге ылайықлы гүна болар еди.
Себеби мен көктеги Қудайға опасызлық қылған болар едим.

 

29Егер душпанымның жығылғанын көрип, сүйинген,
Апатшылыққа дуўшар болғанын көрип, қуўанған болсам,
30Оларды ғарғаў арқалы,
Аўзыма гүна ислеўге жол қоймадым.
31Егер шатырымдағылар; «Аюп берген гөштен жеп,
Қарнын тойғызбаған бар ма?» – деп сорамаған болса,
32Ҳеш бир жолаўшы көшеде түнемес еди,
Себеби қапым олар ушын бәрқулла ашық еди.
33Егер басқаларға уқсап, қылмысымды жасырған,
Айыпларымды сыр сақлаған болсам,
34Онда мен аламаннан қорққаным ушын,
Урыўласларымның қыйнаўынан қорққаным ушын,
Үндемей, қапыдан сыртқа шықпаған болар едим.

 

35Қәне, мени тыңлайтуғын биреў болса еди!
Мине, мен айтқанларымды тастыйықлап, мөрледим.
Қүдирети күшли Қудай маған жуўап берсин!
Қәне енди, душпаным айыплаўын жазып, қолыма берсе еди!
36Сөзсиз, оны ийнимде көтерип,
Басыма таждай етип, кийип жүрер едим!
37Мен Қудайға атқан ҳәр бир адымымның есабын берер едим,
Ханзада киби Оған жақынласар едим.

 

38Жерим маған қарсы пәрияд еткен болса,
Оның қарықлары да бирге нала қылған болса,
39Пулын төлемей зүрәәтин алған болсам,
Оның ийелериниң өлимине себепши болған болсам,
40Онда бийдай орнына тикен,
Арпа орнына жабайы шөплер өсип шықсын.

 

 

Солай етип, Аюптың сөзи ақырына жетти.

 

32

 

1Аюп өз нәзеринде ҳақ болғанлықтан, үш достысы оның менен тартысыўды тоқтатты. 2Бирақ Аюп өзин ақлап, Қудайды айыплағаны ушын, Рам әўладынан, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳудың Аюпқа ашыўы келди. 3Сондай-ақ, Аюпты айыплағаны менен, оған жөнли жуўап қайтара алмағаны ушын, оның үш достысына да ашыўы келди. 4Элиҳу Аюп пенен сөйлесиў ушын өзиниң гезегин күтти. Өйткени басқалардың жасы оннан үлкенирек еди. 5Бирақ сол үш адамның басқа гәпи жоқлығын көргенде, Элиҳу ашыўға минди.

 

Элиҳудың биринши сөзи

 

6Солай етип, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳу сөзин баслап, былай деди:

 

 

– Мениң жасым киши, сизлер болсаңыз жасы үлкенсизлер,
Сонлықтан батына алмадым, өз билгенимди сизлерге айтыўға қорқтым.
7Жасы үлкенлер сөйлесин,
Көп жасағанлар даналықтан сабақ берсин, дедим.
8Бирақ адамға ишиндеги руўх,
Қүдирети күшли Қудайдың деми ақыл береди.
9Сонлықтан тек жасы үлкенлер дана болмайды,
Тек көп жасағанлар ғана нениң дурыс екенин түсине бермейди.

 

10Сол себепли: «Мени тыңлаң,
Мен де өз билгенимди баян етейин», – деймен.
11Сизлер сөйлегениңизде, мен күттим,
Сизлер не айтыўды излеп атырғаныңызда,
Ақыллы сөзлериңизге қулақ түрдим.
12Сизлерди бар дыққатым менен тыңладым.
Бирақ ҳеш бириңиз Аюптың наҳақлығын дәлиллей алмадыңыз,
Ҳеш бириңиз оның сөзлерине жуўап бермедиңиз.
13«Бизлер дана жолды таптық:
Аюпты адам емес, ал Қудайдың Өзи жеңсин», – демеңлер.
14Аюп сөзлерин маған қарсы айтпады,
Деген менен, оған сизлердиң сөзлериңиз бенен жуўап бермеген болар едим.

 

15Сизлер иренжип, сөз таппай отырсызлар,
Айтатуғын сөзиңиз де қалмады.
16Сизлер үндемей, жуўап бермей тура берсеңиз,
Мен де күтип тура бериўим керек пе?
17Мениң де айтар сөзим бар,
Мен де өз билгенимди баян етпекшимен.
18Себеби ишим сөзлерге толған,
Ишимдеги руўх мени зорламақта.
19Жүрегим ашылмаған шарап киби,
Жаңа шарап қуйылған мес киби, жарылып кетейин деп тур.
20Сөйлейин, жаным жай тапсын,
Аўыз ашып, жуўап берейин.
21Мен ҳеш кимниң бет-жүзине қарамайман,
Ҳеш кимге жағымпазлық қылмайман.
22Мен жағымпазлық қылыўды билмеймен,
Болмаса, Жаратыўшым мени дәрриў жоқ қылған болар еди.

 

33

 

1Енди Аюп, айтажағымды тыңлап,
Барлық сөзлериме қулақ салың!
2Мине, аўзымды аштым,
Сөзлерим тилимниң ушында дизилип тур.
3Сөзлерим пәк жүрегимнен шығады,
Тилим билгенин ашық айтады.
4Қудайдың Руўхы мени жаратты,
Қүдирети күшли Қудайдың деми маған өмир берди.
5Қолыңыздан келсе, маған жуўап бериң,
Алдымда турып, дәлиллер келтириң.
6Қудайдың алдында мен де сиздеймен,
Мен де ылай бөлегинен жасалғанман.
7Сонлықтан меннен қорқпасаңыз да болады,
Қысыўға алыўым сизге аўыр батпасын.

 

8Гәплериңизди өз қулақларым менен еситтим,
Олар еле қулақларымда жаңлап тур.
9Сиз былай дедиңиз: «Мен пәкпен ҳәм гүнасызбан,
Минсиз ҳәм айыпсызбан.
10Сонда да, Қудай маған қарсы себеп излеп атыр,
Мени Өз душпаны деп санамақта.
11Ол аяқларыма буғаў салып,
Жолларымды гүзетпекте».

 

12Бирақ сизге айтайын: бул жерде сиз наҳақсыз,
Себеби Қудай адамзаттан уллы.
13«Ҳеш бир сөзиме жуўап бермеди», – деп турып,
Неге Оның менен тартысып атырсыз?
14Қудай ҳәр қыйлы жол менен сөйлейди,
Ал буны адамлар аңламайды да.
15Адамлар терең уйқыға кеткенде,
Төсеклеринде қалғып кеткенде,
Түслеринде, көрген аянларында,
16Қудай олардың қулақларын ашып,
Ескертиўлери менен оларды қорқытады.
17Усылайынша, Ол адамды жаман ислеринен қайтарады,
Менменликтен сақлайды.
18Жанын қәбирден,
Өмирин қылыштан қутқарады.
19Ямаса адам төсек тартып жатқарылып,
Сүйеклери тынымсыз сырқыраў менен жазаланады.
20Сонда ол нанға да қарай алмайтуғын болып қалады,
Ҳәтте, ең мазалы тағамларға да иштейи болмайды.
21Азып-тозып, тек сүлдери қалады,
Көринбеген сүйеклери енди анық көзге тасланады.
22Оның жаны қәбирге,
Өмири жан алыўшы периштелерге жақынласады.

 

23Ал егер мың периштениң ишинде адамды жақлайтуғын,
Оған өзи ушын нениң туўры екенин билдиретуғын бир периште бар болса,
24Оның мийрими түсип: «Оны қәбирге түсиўден аман сақлап қала гөр!
Мен оның қунын өтейтуғын төлем таптым», – десе,
25Сонда адамның денеси жас баланикиндей болып,
Оның жаслық шағы қайтып келеди.
26Соңынан адам Қудайға дуўа етеди ҳәм Қудай оны қабыл етеди.
Ол қуўаныш пенен Қудайдың дәргайына келеди,
Қудай оның әдиллигин тиклейди.
27Сонда адам адамлар алдында қосық айтып, былай дейди:
«Мен гүна ислеп, ҳақыйқатты бурмаладым,
Бирақ оның жазасын тартпадым.
28Ол жанымды қәбирден қутқарды,
Мен жақты дүньяны көрип турман».

 

29Мине, Қудай бул нәрселердиң ҳәммесин,
Еки емес, үш емес, қайта-қайта тәкирарлайды.
30Буны адамның жанын қәбирден қайтарыў,
Оған өмирдиң нурын көрсетиў ушын солай ислейди.

 

31Дыққат қылың, ҳәй Аюп, мени тыңлаң,
Үндемең, мен сөйлейин.
32Егер айтатуғын гәпиңиз болса, айтың,
Мен сизиң ақланыўыңызды қәлеймен.
33Егер болмаса, онда мени тыңлаң,
Үндемең, мен сизге даналықты үйретейин.

 

34

 

Элиҳудың екинши сөзи

 

1Элиҳу сөзин даўам етип, былай деди:

 

 

2– Сөзлеримди тыңлаң, ҳәй данышпанлар!
Маған қулақ салың, ҳәй билимпазлар!
3Себеби аўыздың аўқаттың дәмин ажыратқанындай,
Қулақ та сөзлердиң мәнисин айырады.
4Келиңлер, дурыс нәрсени таңлап,
Жақсы нәрсени биргеликте анықлап алайық.

 

5Мине, Аюп: «Мен айыпсызбан,
Бирақ Қудай мени ҳуқықымнан маҳрум етти.
6Меники дурыс болса да, жалғаншы саналдым,
Мен жазықсыз болсам да, дәртиме ем жоқ», – деди.
7Аюпқа уқсаған адам бар ма?
Ол ушын мазақ қылыў суў ишкендей нәрсе!
8Ол жаманлық ислеўшилер менен дос тутынып,
Жаўызлар менен жүреди.
9Себеби ол былай дейди: «Қудайға унайтуғын ислерди ислеў,
Адамға ҳеш қандай пайда келтирмейди».

 

10Ҳәй, саналы адамлар, мени тыңлаңлар!
Қудай жаўызлық ислеўден аўлақ,
Қүдирети күшли Қудай жаманлық ислеўден аўлақ!
11Ол адамның исине сай төлем төлейди,
Жүрген жолына сай қайтарады.
12Ҳақыйқаттан да, Қудай жаманлық қылмайды,
Қүдирети күшли Қудай әдилликти бурмаламайды.
13Жер үстинен ҳүкимдарлық қылыўды Оған ким берди?
Ким Оны пүткил дүньяға ҳүкимдар қылып қойды?
14Егер Қудай Өз руўхын,
Демин қайтарып алыўды қарар қылса,
15Пүткил тири жанлар бирге набыт болар,
Адамзат және топыраққа қайтқан болар еди.

 

16Ақылыңыз болса, мынаны тыңлаң,
Сөзлериме қулақ салың.
17Әдалатты жек көретуғын адам ҳүкимдар бола ала ма?
Әдил ҳәм қүдиретли Қудайды айыпламақшымысыз?
18Ол патшаға: «Сен жарамассаң», – деп,
Ақсүйеклерге: «Сизлер залымсызлар», – дейди.

 

19Ол басшыларға жарамсақланбайды,

 

Байды жарлыдан артық көрмейди.
Себеби олардың ҳәммесин Өз қоллары менен жаратқан.
20Олар түн ортасында көзди ашып-жумғанша өлип кетеди,
Қалтыратпа тийеди де, жан береди.
Күшлилер де адам қолы тиймей-ақ, жоқ қылынады.

 

21Қудайдың көзлери адамның жолын гүзетип турады,
Ол адам басқан ҳәр бир адымды көреди.
22Жаўызлық ислеўшилер жасырыныў ушын,
Қараңғылық та, түнек те жоқ.
23Ҳәр қандай адамды ҳүким қылыў ушын,
Қудай ўақыт белгилеўи шәрт емес.
24Ол тексермей-ақ, күшлилерди майдалап таслайды,
Олардың орнына басқаларды қояды.
25Қудай олардың ислерин биледи,
Сонлықтан түнде оларды аўдарып таслайды, олар жоқ болады.
26Оларды залымлығы ушын,
Ҳәммениң көз алдында жазалайды.
27Себеби олар Қудайдың изине ермеди,
Оның жолларын итибарға алмады.
28Олар себепли жарлылардың наласы Оған жетип келди,
Азап шеккенлердиң пәриядын еситти.
29Егер Қудай үндемесе, ким Оны айыплай алады?
Егер Ол жүзин жасырса, ким Оны көре алады?
Қудай ҳәр бир миллет ушын да, ҳәр бир адам ушын да бирдей.
30Ол, қудайсызлардың ҳүкимдарлық қылып,
Халыққа дузақ қурыўынан сақлайды.

 

31Қудайға: «Мен жазамды алдым,
Артық жаманлық қылмайман.
32Көрмегенимди маған үйрет,
Наҳақлық қылған болсам, енди ислемеймен», – дейтуғыныңыз бар ма?
33Сөзлеримнен жүз бурғаныңыз ушын,
Қудай сизди сыйлықлаўы керек пе?
Мен емес, сиз таңлаўыңыз керек,
Не билесиз, айтың.
34Саналы адамлар,
Мени тыңлап турған даналар маған:
35«Аюп билмегенликтен, солай сөйлеп тур,
Оның гәплериниң мәниси жоқ», – дейди.
36Жаўыз адам сыяқлы сөйлегени ушын,
Аюп, сиз ақырына дейин сыналсаңыз еди!
37Себеби сиз гүнаңызға қозғалаңды да қостыңыз,
Арамызда қол шаппатлап,
Қудайға қарсы гәпти балалаттыңыз.

 

35

 

Элиҳудың үшинши сөзи

 

1Элиҳу сөзин былай даўам етти:

 

 

2– Аюп, сиз: «Қудайдың алдында ҳақпан», – дейсиз.
Усы дурыс деп ойлайсыз ба?
3Және де: «Менде қандай артықмашлық бар?
Гүна ислемеў арқалы мен неге еристим?» – деп сорайсыз.
4Мен сизге ҳәм досларыңызға жуўап беремен.

 

5Көклерге көз жиберип, қараңлар,
Бултларға көз жибериң, олар сизлерден бийик.
6Егер гүна ислесеңиз, буннан Қудайға қандай зыян келеди?
Егер қылмысыңыз көбейсе, Оған қандай тәсири бар?
7Егер әдил болсаңыз, буннан Қудайға не пайда?
Ямаса Ол сизлердиң қолыңыздан не алады?
8Жаўызлығыңыз өзлериңизге уқсаған адамларға зыян келтиреди.
Ал әдиллигиңиз болса, тек адам баласы ушын тәсир етеди.

 

9Езиўшиликтиң ҳәдден тыс көплигинен адамлар пәрияд етеди,
Күшлилердиң қолынан қутқарыўды сорап, жалбарынады.
10Бирақ ҳеш ким: «Түнде қосықлар инәм еткен,
Мениң Жаратыўшым – Қудай қайда екен?
11Ол бизлерге жер бетиндеги ҳайўанларға қарағанда көбирек үйреткен,
Бизлерди көктеги қуслардан ақыллырақ етип жаратқан», – демейди.
12Жаўыз адамлардың менменлиги себепли,
Адамлар пәрияд етеди, бирақ Қудай жуўап бермейди.
13Аўа, Қудай бос сөзлерге қулақ салмайды,
Қүдирети күшли Қудай оны итибарға алмайды.
14Аюп, сиз: «Оны көрип турған жоқпан», – дейсиз,
Бирақ даўа-арзыңыз Оның алдында. Оны күте турың!
15Енди сиз: «Ол қәҳәрленип, жаза бермеди,
Қылмыс иске де кеўил бөлмейди», – деп айтасыз.
16Усылайынша, сиз мылжың гәплерди айтасыз,
Ҳеш нәрсе билмей турып, гәпти көбейтип атырсыз.

 

36

 

Элиҳудың ең кейинги сөзи

 

1Элиҳу сөзин даўам етип, және былай деди:

 

 

2– Бираз сабыр қылыңлар, мен сизлерге көрсетейин,
Еле Қудай ушын айтатуғын сөзлерим бар.
3Мен билимимди түрли дереклерден топладым,
Жаратыўшымның әдиллигин дәлиллеп берейин.
4Шынында, сөзлерим де жалған емес,
Қарсыңызда билими жетик бир адам тур.

 

5Әлбетте, Қудай қүдиретли,
Бирақ Ол ҳеш кимди пәс көрмейди,
Оның қүдирети де, даналығы да шексиз.
6Ол залымлардың жасай бериўине жол қоймайды,
Ал жарлыларға әдалатлық қылады.
7Ол әдиллерден көзлерин айырмайды,
Оларды патшалар сыяқлы тахтқа отырғызып,
Мәңгиге мәртебели қылады.
8Егер әдиллер шынжыр менен байланған,
Азап дузағына түсирилген болса,
9Онда Қудай олардың гүналарын,
Менменсип ислеген қылмысларын өзлерине көрсетеди.
10Тәлим алсын деп, олардың қулақларын ашады,
Ҳәм жаўызлықтан бас тартыўды буйырады.
11Егер олар Қудайға бойсынып, Оған хызмет етсе,
Онда олардың қалған күнлери бахытқа,
Жыллары шадлыққа толы болады.
12Ал егер олар Қудайға бойсынбаса, қылыштан өткерилип,
Билим алмастан, өлип кетеди.

 

13Қудайсызлардың иши ғәзепке толы болады,
Қудай оларды кисенлесе де, олар жәрдем сорамайды.
14Олар жаслай өледи,
Өмири шерменделик пенен аяқланады.[7]
15Қудай қыйналғанларды шеккен азаплары арқалы қутқарады,
Машқалаларға дуўшар етиў арқалы Өзин тыңлайтуғын қылады.

 

16Ол сизди де дәрттен азат етип,
Қәўипсиз, шекленбеген кеңисликке алып шығар,
Дастурханыңызды ләззетли тағамларға толтырар еди.
17Бирақ сиз залымлар алатуғын жазаны толық алғансыз,
Ҳүким ҳәм әдалат жағаңызға асылып алған.
18Ғәзеплениўден сақлаң, байлық сизди азғырмасын,
Мол пара да сизди жолдан урмасын.
19Байлығыңыз, күш-қүдиретиңиз,
Сизди дәрттен қутқара ала ма?
20Сонлықтан халықлар өз орнынан,
Жоқ қылынатуғын түнди аңсамаң.
21Жаўызлыққа жүз бурыўдан сақ болың,
Сиз апаттан гөре, гүнаны таңлаған көринесиз.

 

Элиҳудың Аюпқа Қудайдың қүдиретин еслетиўи

 

22– Билип қойыңыз, Қудайдың қүдирети уллы,
Ол киби тәлим беретуғын устаз бар ма?
23Ким Оған жүретуғын жолын белгилеп береди?
Ямаса ким Оған: «Мына исиң надурыс», – деп айта алады?
24Қудайдың ислерин алғыслаўды умытпа,
Адамлар сол ҳаққында тәрийиплеў қосықларын айтады.
25Барлық адамлар Оның ислерине таң қалып,
Ҳәр бир адам оларға узақтан қарайды.
26Аўа, Қудай уллы, бизлер Оны түсине алмаймыз,
Оның өмир жылларының саны да ақылға сыймайды.

 

27Ол суў пуўларын көтерип алып,
Оларды жаўын тамшыларына айландырады.
28Бултлар суў тамшыларын төгеди,
Ол адамлардың үстине нөсер болып қуяды.
29Бултлардың қалай жайылатуғынын,
Оның шатырынан шыққан гүлдирмаманың қалай гүркирейтуғынын ким түсине алады?
30Қудай көкте шақмағын шақтырғанда,
Оны теңиздиң түбинен көриўге болады.
31Қудай халықларға усылай бийлик жүргизип,
Мол азық-аўқат береди.
32Ол шақмақты Өз қолларында сақлап,
Нышанға барып тийиўге буйрық береди.
33Гүркиреў даўылдан хабар береди,
Ҳәтте, маллар да даўылдың болатуғынын сезеди.

 

37

 

1Буннан жүрегим дирилдеп,
Қанасынан шығып кетейин дейди.
2Тыңлаңлар! Оның гүркиреген даўысына,
Аўзынан шыққан сестине қулақ түриңлер!
3Ол пүткил аспан асты бойлап шақмақ шақтырады,
Шақмақтың жалтылдысы жердиң төрт тәрепине жетип барады.
4Буннан кейин, Қудайдың даўысы гүркиреп шығады,
Ол әжайып даўысы менен гүркирейди,
Оның даўысы еситилгенде, үзликсиз шақмақ шағады.
5Қудайдың даўысы әжайып тәризде гүркирейди,
Ол бизлердиң ақылымыз жетпейтуғын уллы ислерди ислейди.
6Ол қарға: «Жерге жаў!», – дейди.
Ал нөсер жаўынға: «Нөсер болып қуй!», – дейди.
7Сонда ҳәр бир адам исин тоқтатады,
Барлық адамлар булардың Оның иси екенин биледи.
8Жабайы ҳайўанлар өз инлерине кирип,
Уяларын паналайды.
9Даўыл өз мәканынан шығып,
Күшли самал аяз алып келеди.
10Қудайдың деминен муз пайда болады,
Шексиз суўлар музлап қалады.
11Қойыў бултларды ығал менен тойдырады,
Олар арқалы шақмағын шақтырады.
12Бултлар Оның басқарыўында айланып жүреди,
Пүткил жер бетин айланады,
Булардың ҳәммесин Қудай өзлерине буйырғаны ушын ислейди.
13Ол гейде адамларды жазалаў ушын,
Ал гейде жер жүзин суўғарып,
Сүйиспеншилигин көрсетиў ушын жаўын жаўдырады.

 

14Аюп, мыналарды тыңлаң,
Тоқтап, Қудайдың уллы ислери ҳаққында ойлап көриң.
15Қудайдың бултларды қалай басқаратуғынын,
Өз бултларынан шақмақты қалай шақтыратуғынын билесиз бе?
16Бултлардың аспанда қалай қалқып жүретуғынын,
Билими жетик Қудайдың кәраматлы ислерин билесиз бе?
17Қубла самалы есип, жер бети қуўрап қалғанда,
Кийимлериңиз сизди терлеткенде,
18Қола айна сыяқлы қатты аспанды,
Сиз де Қудай сыяқлы жайып жибере аласыз ба?

 

19Қудайға не айтыўымыз кереклигин бизлерге үйретиң,
Қараңғылықта болғанлығымыз себепли, биз исимизди қорғай алмаймыз.
20Мениң сөйлеспекши болғаным туўралы Оған биреў хабарлай ма?
Ким өзиниң набыт болыўын қәлейди?
21Самал есип, аспандағы бултларды серпип таслағанда,
Жарқыраған күн нурына ҳеш ким қарай алмайды.
22Қудай арқадан алтын нур таратып келмекте,
Ол әжайып салтанатқа бөленген.
23Бизлер Қүдирети күшли Қудайға жете алмаймыз,
Оның қүдирети ҳәм әдиллиги уллы,
Әдалатлығы шексиз, Ол ҳеш наҳақлық қылмайды.
24Сонлықтан, ҳәй адамлар! Оннан қорқыңлар!
Өзин дана деп билгенлерге Ол итибар бермейди.

 

38

 

Жаратқан Ийениң Аюп пенен сөйлесиў ушын келиўи

 

1Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди:

 

 

2– Билимсиз сөзлериң менен,
Даналық шешимлериме гүман келтиретуғындай, сен ким болыпсаң?
3Еркек киби белиңди беккем буў,
Мен сорайман, сен жуўап бер.

 

4Мен жердиң негизин орнатқанда, сен қай жерде едиң?
Билетуғын болсаң, маған айт.
5Оның өлшемин белгилеген ким?
Оның үстинен жип тартқан ким? Сен оны билесең-ғо!
6Жердиң тийкарлары нениң үстине қойылған?
Оның иргетасын қойған ким?
7Сол ўақытта таң жулдызлары бирге қосық айтып,
Иләҳий барлықлар[8] қуўаныш пенен қышқырысқан еди.

 

8Теңиз жер түбинен атылып шыққанда,
Оған қапылар қойып, бөгет басқан ким еди?
9Мен оған бултларды кийим,
Қара түнекти жөргек қылдым.
10Шегаралар белгилеп,
Теңизге тәмбиленген қапылар қойдым.
11Соңынан оған: «Мына жерге дейин келесең, оннан өтпейсең,
Сениң өркөкирек толқынларың усы жерде тоқтайды», – дедим.

 

12Сен өмириңде бир мәрте болса да, таңға буйрық бердиң бе?
Ямаса таң шуғласына орнын белгилеп бердиң бе?
13Оған жердиң түп-түпкирлерине жетип барып,
Залымларды жасырынған жеринен силкип шығарыўды буйырдың ба?
14Жер жүзи ылайға мөр басылғандай болып, өзгереди,
Кийим кийгендей болып безенеди.
15Залымлар күн нурынан маҳрум етиледи,
Көтерилген қоллары сындырылады.

 

16Сен теңиздиң суў көзлерине түсип көрдиң бе?
Ямаса теңиз түбин изертлеп көрдиң бе?
17Саған өлилер мәканының дәрўазалары көрсетилип пе еди?
Ямаса қара түнектиң дәрўазаларын көрип пе едиң?
18Жер кеңислигин түсиндиң бе?
Егер булардың ҳәммесин билген болсаң, онда түсиндир!

 

19Нурдың мәканына алып баратуғын жол қайда?
Ал қараңғылықтың мәканы қай жерде?
20Оларды өз орнына қайтара аласаң ба?
Олардың үйине баратуғын жолды билесең бе?
21Аўа, сен билесең! Себеби сен олардан бурын туўылғансаң!
Жүдә узақ өмир көрип атырсаң!

 

22Сен қар сақланатуғын жерге кирдиң бе?
Ямаса буршақ сақланатуғын жерди көрдиң бе?
23Мен оларды апат күнлери ушын,
Урыс ҳәм саўаш күнлери ушын сақлап қойыппан.
24Жақтылықтың қай жерден келип,
Шығыс самалының қай жерден басланатуғынын билесең бе?
25Ким нөсер жаўын ушын арна,
Жылдырым ушын жол ашты?
26Адам жасамайтуғын жерлерге,
Бос қалған шөллерге жаўын жаўдыратуғын ким?
27Керексиз қуў шөлди суўға қандырып,
Ол жерлерге шөплер өсиретуғын ким?
28Жаўынның әкеси бар ма?
Шық тамшыларын дүньяға келтирген ким?
29Муз кимниң қурсағынан шықты?
Аспаннан түскен қыраўды ким туўды?
30Суўлар тастай болып қатып қалады,
Теңиздиң бети музлап қалады.

 

31Аспан ортасындағы жулдызлар топарының шынжырларын байлай аласаң ба?
Ямаса олардың жиплерин шеше аласаң ба?
32Жулдызлар топарын өз ўақтында шығара аласаң ба?
Ямаса арқадағы жулдызлар топарын балалары менен бирге жетелей аласаң ба?
33Сен аспанға тийисли қағыйдаларды билесең бе?
Ямаса сол нызамларды жер бетинде орната аласаң ба?

 

34Үстиме нөсер жаўын жаўсын деп,
Бултларға бақырып, буйрық бере аласаң ба?
35Шақмақларға шағыўды буйыра аласаң ба?
Олар саған: «Бизлер сениң хызметиңдемиз», – дер ме екен?
36Жүрекке даналық,
Ақылға түсиник берген ким?
37Бултларды санаўға кимниң даналығы жетеди?
Ким аспандағы суў меслерин аўдарып таслай алады?
38Сонда шаң ылайға айланып,
Кесеклер бир-бирине жабысады.

 

39-40Жас арысланлар уясында жасырынып,
Урғашы арыслан олжа аңлып, пута астында жатырғанда,
Сен урғашы арысланға олжа тутып бере аласаң ба?
Ямаса жас арысланлардың қарнын тойдыра аласаң ба?
41Қузғынның балалары ашлықтан қаңғып жүрип,
Қудайға жалынғанда,
Оларды азық пенен тәмийинлейтуғын ким?

 

39

 

1Сен таў ешкисиниң қашан туўатуғынын билесең бе?
Ямаса суўынның балалағанына қарап турғанбысаң?
2Олардың қанша ай буўаз болып жүретуғынын билесең бе?
Олардың балалайтуғын ўақтын ше?
3Олар толғатқанда, жүресине отырып,
Баласын дүньяға келтиреди.
4Олардың балалары ашық жайлаўларда өсип, күшке толады,
Кейин кетип, қайтып келмейди.

 

5Қуланға еркинлик берген ким?
Жабайы ешектиң арқанын шешип таслаған ким?
6Мен шөл даланы оған үй,
Шорлы жерлерди мәкан қылып бердим.
7Ол қаладағы шаўқым-сүрен үстинен күледи,
Мал айдаўшының бақырысын еситпейди.
8Ол отлаў ушын таўларды шарлап,
Өзине көк жайлаў излейди.

 

9Жабайы өгиз саған хызмет етиўге ыразы болып,
Сениң қораңдағы ақырыңның жанында түнер ме екен?
10Жериңди айдатыў ушын,
Оны жүўенлеп, гүндеге қоса аласаң ба?
11Күшли деп, оған исене аласаң ба?
Аўыр ислериңди оған тапсыра аласаң ба?
12Жабайы өгиздиң егиниңди тасып,
Қырманыңа алып келетуғынына исенесең бе?

 

13Түйеқус қанатларын гәрдийип қақса да,
Ол ләйлектиң қанат ҳәм пәрине жетпейди.
14Түйеқус мәйеклерин жерге қалдырып кетеди,
Ал қум оларды жылытады.
15Мәйеклер аяқ астында қалып, езиледи,
Жабайы ҳайўан оларды басып кетпей ме, буны ҳеш ойламайды.
16Түйеқус өз балаларына басқаники сыяқлы қатал,
Мийнетиниң күйип кетиўинен қәўетерленбейди.
17Өйткени Мен оны даналықтан маҳрум еткенмен,
Оған ақыл да бермегенмен.
18Бирақ түйеқус қанат жайып жуўырғанда,
Ат ҳәм шабандозды изде қалдырып, үстинен күледи.

 

19Атқа күш берген,
Оның желкесине жал өсирген,
20Оны шегиртке киби секиретуғын қылған сен бе едиң?
Оның пысқырып киснегениниң өзи қорқынышлы.
21Ат туяқлары менен жер тепсинип, өз күшине қуўанып,
Душпанның үстине қарай шабады.
22Ол қорқыныш үстинен күлип қарап, ҳеш нәрседен сескенбейди,
Қылыштан да қаймықпайды.
23Оқ салынған қап үстинде шыңғырлайды,
Найза ҳәм семсер жалтылдайды.
24Ғәзеп пенен рейимсиз жерди тепкилеп,
Кәрнай сестин еситкенде, бир жерде турмайды,
25Кәрнай шертилген сайын киснеп,
Саўаштың ийисин алыстан сезеди,
Сәркәрдалардың шаўқым-сүренлерин еситеди.

 

26Қаршығаның қублаға қарай қанат жайып,
Бийиклеп ушатуғыны сениң даналығыңның арқасы ма?
27Бүркит сениң буйрығың менен көтерилип ушып,
Бийикликке уя сала ма?
28Ол жартаслар үстине мәкан басып, сол жерде жасайды,
Жартастың уша басы – оның қорғаны.
29Ол сол жерде турып, аң аўлайды,
Оның көзлери олжасын узақтан көреди.
30Палапанлары қан сорыйды,
Өлик қай жерде болса, ол да сол жерде болады.

 

31Жаратқан Ийе сөзин даўам етип, Аюпқа былай деди:

 

32– Қүдирети күшли Қудай менен тартысып атырған адам енди Оны жолға салмақшы ма?
Қудайды айыплап атырған адам жуўап берсин.

 

33Сонда Аюп Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:

 

34– Мен санда жоқ бир адамман,
Саған не деп жуўап берейин?
Енди аўзыма бек боламан.
35Бир рет сөйледим, бирақ жуўап бере алмадым,
Екинши рет сөйледим, бирақ артық сөйлемеймен.

 

40

 

1Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа және былай деди:

 

 

2– Еркек киби белиңди беккем буў,
Мен сорайман, сен жуўап бер.
3Сен Мени әдалатсызлықта айыпламақшымысаң?
Өзиңди ақлаў ушын мени қараламақшымысаң?
4Сенде Қудайдың, яғный Мениң қүдиретимдей қүдирет бар ма?
Даўысың Меники сыяқлы гүркирей ала ма?
5Егер солай болса, онда өзиңди даңқ ҳәм бәлент мәртебе менен безе,
Уллылық ҳәм салтанатқа бөлен.
6Ғәзебиңди төгип, шаш,
Тәкаббирлерге көз салып, оларды бойсындыр.
7Тәкаббирлерге нәзер салып, оларды диз шөктир.
Жаўызларды турған жеринде мылжалап тасла.
8Олардың ҳәммесин бирге топыраққа көм,
Жүзин кепинге орап, қараңғы дүньяға байлап қой.
9Сонда оң қолыңның сени қутқарғанын,
Мен де мойныма алайын.

 

10Мына бегемотқа қара,
Сени жаратқаным сыяқлы, оны да Мен жараттым.
Ол өгиз сыяқлы шөп жейди.
11Оның белинде не деген күши бар,
Қарнындағы булшық етлери қандай беккем!
12Оның қуйрығы кедр ағашы сыяқлы мықлы,
Жамбасындағы сиңирлери өрим-өрим.
13Сүйеклери қола трубаларға,
Қабырғалары темир бақанларға уқсайды.
14Бегемот Мениң жаратқанларым ишиндеги ең әжайыбы,
Жаратқанның Өзи ғана оған қылыш көтере алады.
15Таўлар оған азық береди,
Ол жерде барлық жабайы ҳайўанлар ойнақлап жүреди.
16Бегемот лотос жапырағы астында,
Батпақлықта өскен қамыслар арасында жатады.
17Лотос жапырақлары оған көлеңке түсирип,
Өзен бойындағы таллар оны орап турады.
18Дәрья бурқасынлап ақса да, ол қорқпайды,
Иордан тасып, аўзына келсе де, оған тәсир етпейди.
19Ким оны көзине түспей, тута алады?
Ким оның мурнынан илмек өткере алады?

 

20Ал Лиўятанды ше, балық услайтуғын қармақ пенен услап,
Тилин жип пенен байлай аласаң ба?
21Оның мурнынан жип өткизип,
Жағына қармақ илдире аласаң ба?
22Ол саған қайта-қайта жалынып-жалбарынып,
Сениң менен жыллы сөйлесер ме екен?
23Саған мәңгиге қул болыў ушын,
Сениң менен келисим дүзер ме екен?
24Қус пенен ойнаған сыяқлы, оның менен ойнай аласаң ба?
Ямаса ермек қылыўы ушын, қызларыңа оны байлап бере аласаң ба?
25Балықшылар оның ушын саўдаласа ма?
Саўдагерлер оны өз-ара бөлисип ала ма?
26Оның терисин найза менен,
Басын балықшының шанышқысы менен тесе аласаң ба?
27Қолыңды оған тийгизип көр,
Екинши мәрте тийгизбейтуғын боласаң,
Бул саўашты да ҳеш қашан умытпайтуғын боласаң.

 

41

 

1Лиўятанды тутыўға үмит етиў пайдасыз,
Оның қарасы көриниўден-ақ, қорқыныштан адамның жүреги жарылады.
2Оны қозғаўға ҳеш кимниң батылы бармайды.
Солай екен, онда ким Мениң алдымда тура алады?
3Оған қарыздар болып қалатуғындай, ким Маған бир нәрсе берди екен?
Аспан астындағы ҳәмме нәрсе – Меники.

 

4Мен Лиўятанның дене ағзалары,
Уллы күши ҳәм әжайып денеси ҳаққында айтып берейин.
5Ким оның терисин сылып ала алады?
Ким оның еки қабат саўытын тесип зақымлай алады?
6Ким оның аўзын ашып көре алады?
Оның аўзындағы тислери қорқынышлы.
7Арқасы қатар-қатар қалқаннан исленген,
Олар мөр басылғандай етип, бир-бирине тығыз беккемленген.
8Олардың бир-бирине жақын жайласқаны соншелли,
Арасынан ҳаўа да өтпейди.
9Олар бир-бирине тығызланып, жабыстырылған,
Оларды ажыратыў мүмкин емес.
10Лиўятан түшкиргенде, от шашады,
Оның көзлери таң нуры сыяқлы жайнап турады.
11Аўзынан жалын лаўлап,
От ушқынлары шашырайды.
12Мурнынан шыққан түтин,
Жанып турған қамыс үстинде қайнап турған қазанның пуўына уқсайды.
13Деми көмирди алыстырады,
Аўзынан жалын шашады.
14Оның күши мойнында,
Оның алдында қорқыныш ойынға түседи.
15Етиниң қабатлары бир-бирине беккем жабысқан,
Қуймаға уқсайды, ҳеш тербелмейди.
16Жүреги тастай,
Дигирманның астынғы тасындай қатты.
17Ол орнынан турғанда, күшлилердиң де ҳүрейи ушады,
Қорқыныштан артқа шегинеди.
18Оны қылыш та кеспейди,
Оған найза да, қанжар да, оқ та өтпейди.
19Темир оған сабан киби,
Қола шириген терек киби көринеди.
20Атылған оқлар оны қашыўға мәжбүрлей алмайды,
Сақпаннан атылған тас ол ушын қаўықтай нәрсе.
21Шоқмар менен урған оған сабан менен урғандай,
Өзине ылақтырылған семсерлердиң сестине күледи.
22Денесиниң астынғы теңгелери гүзениң өткир сынықларына уқсайды,
Ылайдың үстинде жатса, түйек айдалғандай из қалдырады.
23Түпсиз терең ийиримди ол қазан киби қайнатады,
Теңизди қайнап турған май киби тастырады.
24Ол изинде нурлы из қалдырады,
Көргенлер теңиздиң ақ шашы бар деп ойлайды.
25Жер бетинде оның теңи-тайы жоқ,
Ол қорқынышты билмейтуғын етип жаратылған.
26Ол барлық тәкаббирлерге пәс нәзер менен қарайды,
Ҳәм барлық менменлердиң патшасы.

 

42

 

Аюптың тәўбе етиўи

 

1Сонда Аюп Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:

 

 

2– Мен билемен, Сениң қолыңнан ҳәмме нәрсе келеди,
Нийетиңе кесент етиў де мүмкин емес.
3Сен: «Билимсизлик пенен Мениң қарарымды қаралап атырған мына адам ким өзи?» – деп сораған едиң.
Аўа, мен өзим түсинбеген нәрселер ҳаққында,
Ҳасла түсиниўге ақылым жетпейтуғын уллы ислер ҳаққында сөйледим.
4Сен және: «Сен дыққат пенен тыңла, Мен сөйлейин,
Мен сорайын, сен жуўап бер», – деген едиң.
5Бурын мен Сен туўралы тек қулақларым менен еситкен едим,
Ал ҳәзир Сени өз көзлерим менен көрип турман.
6Сонлықтан бурынғы айтқанларыма өкинип,
Тәўбе қылып, топырақ пенен күлде отырман.

 

Жаратқан Ийениң қарары

 

7Жаратқан Ийе Аюп пенен сөйлесип болғаннан соң, теманлы Элифазға тил қатып, былай деди: «Мениң саған ҳәм сениң еки достыңа қәҳәрим келди. Себеби сизлер Мен туўралы қулым Аюп сыяқлы дурыс сөйлемедиңлер. 8Енди жети буға ҳәм жети қошқар алып, қулым Аюпқа барыңлар ҳәм өзлериңиз ушын жандырылатуғын қурбанлық усыныңлар. Қулым Аюп сизлер ушын дуўа етеди. Мен оның дуўасын қабыл етемен ҳәм ақмақлығыңыз ушын сизлерди жазаламайман. Сизлер Мен туўралы қулым Аюп сыяқлы дурыс сөйлемедиңлер». 9Солай етип, теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳәм наамалы Софар Жаратқан Ийениң айтқанларын орынлады. Жаратқан Ийе де Аюптың дуўасын қабыл етти.

 

Қудайдың Аюпты қайта жарылқаўы

 

10Аюп дослары ушын дуўа еткеннен соң, Жаратқан Ийе оның ҳал-жағдайын бурынғы қәлпине келтирип, бурын болған нәрселериниң ҳәммесин еки есе қылып қайтарып берди. 11Аюптың аға-инилери, апа-қарындаслары ҳәм оны бурын танығанның ҳәммеси оның үйине келип, Аюп пенен бирге аўқатланды. Олар Жаратқан Ийениң басына салған барлық сынақлары ушын Аюпқа кеўил айтты ҳәм тәселле берди. Олардың ҳәр бири Аюпқа бир теңге гүмис ҳәм бир алтын сырғадан сыйға берди.
12Жаратқан Ийе Аюптың соңғы күнлерин бурынғысынан да бетер жарылқады. Енди онда он төрт мың қой, алты мың түйе, бир мың жуп өгиз ҳәм мың урғашы ешек болды. 13Және де, Аюптың жети ул ҳәм үш қызы болды. 14Ол биринши қызына Емима, екиншисине Кесиа, үшиншисине Керен-Ҳаппух деп ат қойды. 15Үлкениң ҳеш бир жеринде Аюптың қызларындай сулыў қызлар болмады. Әкеси Аюп қызларына аға-инилери менен бирдей мийрас ажыратып, еншиге берди.
16Буннан кейин, Аюп және бир жүз қырқ жыл жасап, төрт әўлад көрди. 17Сөйтип, Аюп узақ ҳәм мазмунлы өмир сүрип, дүньядан көз жумды.

 

 

 

Забур

1

 

1Қандай бахытлы мынадай адам:
Напәклердиң мәсләҳәти менен жүрмейтуғын,
Гүнакарлардың жолына аяқ баспайтуғын,
Мазақ етиўшилердиң арасында отырмайтуғын.
2Ал ол Жаратқан Ийениң нызамынан рәҳәтленер,
Күни-түни усы тәлим үстинде ой жуўыртар.
3Ол ағын суў бойына егилген мийўе ағашқа мегзер,
Мийўесин өз мәўсиминде берер,
Жапырақлары қуўрап қалмас,
Ол не ислесе де, табысқа ерисер.

 

4Ал напәклер болса бундай емес,
Олар самал ушырған қаўыққа уқсар.
5Соның ушын әдиллик болған жерде напәклер тура алмас,
Ҳақлардың жәмийетинде гүнакарларға орын болмас.
6Жаратқан Ийе ҳақлардың жолын гүзетер,
Ал наҳақлардың жолы өлимге жетеклер.

 

2

 

1Не ушын көтерилис қылады миллетлер?
Неге бийҳуда жобалар дүзеди халықлар?
2Жаратқан Ийеге ҳәм Оның майлаған патшасына,
Қарсы сап тартып турар жер жүзиндеги патшалар,
Тил бириктирип, былай дейди ҳүкимдарлар:
3«Сындырайық олардың салған кисенлерин,
Ылақтырайық мойнымыздағы буғаўларын».

 

4Көкте отырған Жаратқан Ийе болса,
Оларды масқаралап, үстинен күлер.
5Кейин Ол ашыўланып, оларды ескертер,
Ғәзеби менен қорқынышқа салып, былай дер:
6«Мен мухаддес таўым болған Сийонға,
Өзимниң патшамды отырғыздым».

 

7Жаратқан Ийениң қарарын жәрия қыламан:
Ол маған былай деди:
«Сен Мениң улымсаң,
Бүгин Мен саған Әке болдым.
8Сора Меннен, халықларды қолыңа беремен,
Ийелигиңе жер жүзиниң төрт тәрепин тапсыраман.
9Темир ҳаса менен оларды урып езесең,
Ылай ыдыстай етип, сындырасаң».

 

10Ҳәй патшалар, ақыл менен ис тутың!
Ҳәй дүньядағы ҳүкимдарлар, сабақ алың!
11Қорқыў менен Жаратқан ийеге хызмет етиң,
Мүләйимлик пенен шадланың.
12Оның улының алдында бас ийиң,
Болмаса, Ол ғәзепленер,
Сизлер де өмир жолыңызда бирден жоқ боласыз.
Себеби Оның қәҳәри тез лаўлап жанар.
Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар!

 

3

 

Даўыттың өз улы Абшаломнан қашқан ўақытта жазған жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, душпанларым соншелли көп,
Маған қарсы көп адам бас көтерип атыр!
3Көплер мен ҳаққында:
«Қудайдан оған қутқарылыў жоқ», – деп айтар. Селаҳ[1]
4Бирақ Сен Жаратқан Ийе, мениң қалқанымсаң,
Мени даңққа бөлеп, басымды жоқары көтересең.

 

5Жәрдем сорап, Жаратқан Ийеге жалбарынаман,
Жуўап берер Ол маған мухаддес таўынан. Селаҳ

 

6Жаратқан Ийе мени қорғағаны себепли,
Жатаман, уйықлайман, және аман-есен тураман.
7Ҳәр тәрептен қоршап турған,
Он мыңлаған жаўлардан қорқпайман.

 

8Барлық душпанларымның жүзине урған,
Жаўызлардың тислерин сындырған.
Жаратқан Ийе, тур,
Қудайым мени қутқар,
9Қутқарылыў Жаратқан Ийеден келер,
Халқыңның үстине жаўсын берекетиң! Селаҳ

 

4

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен айтылатуғын Даўыттың жыры.

 

 

 

2Мениң ҳуқықымды қорғаўшы Қудай!
Жалбарынғанымда жуўап бер маған!
Қыйыншылықта қалғанымда, мени азат қылдың,
Реҳим етип маған, қулақ сал дуўама.

 

3Ҳәй, инсанлар, қашанға дейин атыма дақ түсиресиз?
Қашанға дейин бийҳуда нәрселерге кеўил берип,
Қашанға дейин жалғанның изинен жүресиз? Селаҳ
4Билиңлер, Жаратқан Ийе Өзине садық адамды таңлар,
Жалбарынсам, Ол мени еситер.

 

5Қорқып қалтыраң, гүна ислемең,
Төсекте жатқаныңызда, ойланың ҳәм тынышланың. Селаҳ
6Жаратқан Ийеге мақул болған қурбанлықлар усынып,
Оған исениң.

 

7«Ким бизлерге жақсылық қылады?»
Деп айтатуғынлар көп.
Жаратқан Ийе, жүзиңниң нурын үстимизге төк!
8Қуўанар дән ҳәм шарабы мол болғанлар,
Сен жүрегиме оннан да көп шадлық бердиң.
9Жатқанымда, тыныш уйықлайман,
Өйткени жалғыз Сен, Жаратқан Ийе,
Аманлық ишинде сақлайсаң мени.

 

5

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Най сазында атқарылатуғын Даўыттың жыры.

 

 

 

2Сөзлериме қулақ сал, Жаратқан Ийе,
Шеккен налаларыма дыққат аўдар.
3Есите гөр, жәрдем сорап дад саламан,
Патшам ҳәм Қудайым, Саған дуўа етемен.
4Таңда даўысымды еситесең, Жаратқан Ийе,
Ҳәр ерте таңда усынаман дуўамды,
Сеннен күтемен жуўапты.

 

5Өйткени Сен жаманлықты хош көрмейтуғын Қудайсаң,
Жаўызлық Сениң жаныңда тура алмас.
6Тәкаббирлер көз алдыңда тура алмас,
Барлық напәклик қылғанларды жек көресең Сен.
7Жалған сөйлейтуғынларды жоқ қыласаң,
Жаратқан Ийе, қанхор ҳәм мәккарлардан жеркенесең.

 

8Мен мол сүйиспеншилигиңниң саясында,
Сениң үйиңе, мухаддес Ибадатханаңа киремен,
Қорқыў менен Саған тәжим қылып, сыйынаман.
9Душпанларыма бола, Жаратқан Ийе,
Әдиллигиң менен мени жетеле,
Алдымда Өз жолыңды тегисле.

 

10Өйткени душпанларымның сөзлеринде шынлық жоқ,
Олардың жүреклери бәле-қадаға толы,
Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы,
Майлы тиллери менен жалған сөйлейди.
11Қудай, оларды ҳүким етип, жазала!
Дүзген жобалары өзлерине апат келтирсин,
Олар Саған қарсы бас көтерер,
Гүналары көп болғаны ушын оларды қуўып жибер.

 

12Шадлансын Сеннен пана тапқанлар,
Олар қуўанғанынан мәңги алғыс айтсын.
Сени сүйгенлер атыңды айтып, йошыў ушын,
Оларды Өзиң қорғай гөр!
13Жаратқан Ийе, Сен ҳақ адамларды жарылқайсаң,
Реҳимиң менен оларды қалқандай қорғайсаң.

 

6

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен төменги даўыста[2] айтылатуғын Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, қәҳәрленип, айыбымды әшкаралама,
Ғәзебиң менен мени жазалама.
3Маған реҳим ет, Жаратқан Ийе, дәрманым қалмады,
Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, пүткил денем қалтырайды.
4Жаным азап ишинде қалды,
Жаратқан Ийе, қашанға дейин бул даўам етеди?

 

5Жаратқан Ийе, маған қайырылып, қутқар жанымды,
Азат қыл сүйиспеншилигиң ҳақы.
6Өйткени өлилер арасында ҳеш ким ядқа алмас Сени,
Өлилер мәканында ким алғыс айтар Саған?

 

7«Аҳ» урып, гүрсинип, шаршадым,
Түни бойы көз жасым көл-дәрья болады,
Зар еңиреп, төсегим суў болады.
8Көзлеримниң нуры сөнди қайғыдан,
Әззиленди көзлерим душпанларым себепли.

 

9Жаўызлық ислеўшилер, меннен аўлақ жүриңлер,
Өйткени Жаратқан Ийе еситти дадымды.
10Жалбарыныўыма қулақ салды,
Дуўамды қабыл қылады.
11Барлық душпанларым уялып қалады,
Ҳәммесин қорқыныш бийлеп алады,
Ҳәпзаматта шерменде болып, қайтып кетеди.

 

7

 

Бенямин урыўынан болған Куш себепли Даўыттың Жаратқан Ийеге айтқан жыры[3]

 

 

 

2Сеннен пана табаман, Қудайым Жаратқан Ийе!
Изиме түскенлерден азат қылып, қутқар мени.
3Болмаса, олар мени арысландай тилкимлеп таслайды,
Майдалап бөлеклейди, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.

 

4Қудайым Жаратқан Ийе,
Егер айыплап атырғандай ис қылған болсам,
Биреўге наҳақлық қылған болсам,
5Достымның жақсылығына жаманлық қайтарсам,
Маған себепсиз ҳүжим қылған душпаныма реҳим қылсам[4],
6Онда жаўларым мени изимнен қуўып, услап алсын,
Жанымды аяқ асты қылып, тепкилесин,
Абырайымды жерге урсын. Селаҳ

 

7Қәҳәрленип көтерил, Жаратқан Ийе!
Қарсы шық душпанларымның ғәзебине!
Оян, ҳүким шығарған Қудайым!
8Халықларды әтирапыңа жыйна,
Жоқарыдағы тахтыңда отырып,
Олардың үстинен ҳүкимдарлық қыл.
9Жаратқан Ийе халықлардың үстинен ҳүким шығарар,
Жаратқан Ийе, әдиллигим ҳәм минсизлигиме гөре,
Сен мени ақла.
10Жаўызлардың жаўызлықларына шек қой,
Ҳақларды қоллап-қуўатла,
Ақыл-ой ҳәм жүреклерди Сен сынайсаң,
Ҳақ Қудай!

 

11Қудай қалқан сыяқлы мени қорғар,
Пәк жүреклерди Ол қутқарар.
12Қудай әдалатлы қазыдур,
Жаўызға Ол ҳәр күни ғәзебин шашар.
13Егер ким де ким тәўбе қылмаса,
Қудай оған қарсы қылышын қайрайды,
Садағын керип, таяр турады.
14Қыратуғын қурал-жарағын алып,
Таярлап турыпты отлы оқларын.

 

15Жаман адамнан жаманлық шығады,
Жаўызлыққа жүкли болады,
Нәтийжеде жалғанды туўады.
16Ол шуқыр қазады,
Бирақ қазған шуқырына өзи түседи.
17Оның жаманлығы өзине қайтады,
Жаўызлығы өз басына жетеди.

 

18Әдалатлығы ушын Жаратқан Ийеге шүкир қыламан,
Саз шертип, Қудай Тааланың атын алғыслайман.

 

8

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы әсбаптың шертилиўинде айтылатуғын Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз,
Пүткил жер жүзинде уллыдур Сениң атың!
Көктен де жоқары Сениң даңқың.
3Душпанларыңның ҳәм жаўларыңның
Үнин өшириў ушын,
Нәрестелер ҳәм емизиўли балалардың аўзынан,
Өзиңе мақтаўлар айтқыздың.
4Қолларың менен дөреткен аспаныңа,
Өзиң жайластырған ай ҳәм жулдызларға қарасам,
Мынадай сораўлар пайда болар ойымда:
5«Инсан ким болыпты, ол ҳаққында ойлайсаң?
Адамзат ким болыпты, Сен оған ғамхорлық қыласаң?»

 

6Сен оны Қудайдан сәл-ақ пәс қылдың,
Иззет-ҳүрмет тажын оған кийгиздиң.
7Ҳәр бир дөреткениңниң үстинен оны ҳүкимдар қылдың,
Ҳәммесин аяқларының астына қойдың:
8Барлық майда ҳәм ири малларды да,
Даладағы жабайы ҳайўанларды да,
9Аспандағы қусларды, теңиздеги балықларды,
Теңизде жүзетуғын ҳәр түрли мақлуқларды.

 

10Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз,
Пүткил жер жүзинде уллыдур Сениң атың!

 

9

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. «Улдың өлими» намасына айтылады. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, шын жүректен Сени тәрийиплеймен,
Барлық әжайып ислериңди жәриялайман.
3Сен себепли қуўанып, шадланаман,
Атыңа арнап, саз шертип алғыслайман, Қудай Таала!

 

4Душпанларым шегинип қашқанда,
Сүрнигип өлер Сениң алдыңда.
5Мениң тәрепимди алып, ҳүким қылдың,
Әдил ҳүким шығарыўшы болып, тахтыңа отырдың.

 

6Қәҳәрленип, халықларды айыпладың,
Напәклерди жоқ қылдың,
Мәңгиге өширдиң олардың атларын.
7Ўайран ишинде қалып, душпанымыз мәңги жоқ болды,
Сен олардың қалаларын қулаттың,
Олар енди қайтадан еске алынбас.

 

8Жаратқан Ийе мәңги патшалық қылады,
Ҳүким қылыў ушын Өз тахтын қурды.
9Ол дүньяны басқарар әдалатлық пенен,
Ҳүким қылар халықларды әдиллик пенен.
10Езилгенлер ушын Жаратқан Ийе бийик қорғандур,
Қыйын жағдайларда оларға қорған болар.

 

11Сени таныйтуғынлар, Саған үмит байлар, Жаратқан Ийе,
Өйткени Өзиңди излегенлерди ҳеш қашан таслап кетпедиң.

 

12Саз шертип, Сийонда отырған Жаратқан Ийени алғыслаң!
Ислеген ислерин халықлар арасында жәриялаң!
13Себеби төгилген қанның қунын талап қылады,
Ол буларды есте сақлайды,
Езилгенлердиң пәриядын умытпайды.

 

14Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе!
Мени жек көрген жаўларым азап бермекте!
Өлим аўзынан Сен мени қайтарасаң.
15Соның ушын, қыз Сийонның дәрўазалары алдында,
Саған алғыс-мақтаў айтаман,
Шадланаман, себеби мени қутқарған Сенсең.

 

16Халықлар өзлери қазған шуқырға өзлери түсти,
Қурған торларына өз аяқлары илинди.
17Әдил ҳүкими менен Жаратқан Ийе Өзиниң кимлигин көрсетти,
Залымлар өзлери қурған дузаққа түсти. Ҳиггайон[5] , Селаҳ

 

18Жаўызлар ҳәм Қудайды умытқан барлық халықлар,
Өлилер мәканына түсер.
19Ал мүтәж адамлар бир өмирге умытылмас,
Ғәриплердиң үмити мәңги жоққа шығарылмас.

 

20Тур, Жаратқан Ийе! Адамзат жеңип шықпасын,
Дәргайыңда халықлар ҳүким қылынсын.
21Оларға қорқыныш бер, Жаратқан Ийе!
Халықлар өзлериниң адамзат екенин билсин. Селаҳ

 

22Жаратқан Ийе, не ушын узақта турыпсаң,
Қыйын жағдайларда Өзиңди жасырасаң?

 

23Жаўызлар менменлик пенен ғәриплерди аўлайды,
Тоқыған ҳийлелери өз басына жетсин.
24Жаўыз адам жаўыз ҳәўеслери менен мақтанар,
Ашкөз адам Жаратқан Ийеге нәлет айтып, Оны менсинбес.
25Қудайға қарай умтылмайды тәкаббир залымлар,
Ҳәмме ўақытта «Қудай жоқ», – деп ойлайды олар.
26Залымлар ҳәмме ўақытта табысқа ерисер,
Қудайдың буйрықларына олардың ақылы жетпес,
Олар душпанларын писент етпес.
27Олар өз кеўлинде былай деп ойлайды:
«Бизлер ҳеш қашан сүрникпеймиз,
Ҳеш қашан апатқа дус келмеймиз».
28Жаўызлардың аўзы нәлетке, ҳийлеге, зулымға толы,
Тилиниң астында тур жаўызлық ҳәм жаман сөзлер.
29Олар аўылларда жасырынып алады,
Аңлып, айыпсыз адамды өлтиреди.
Көзлери шарасыз қалған қурбанды излейди.
30Буққыда жатқан арыслан сыяқлы,
Бийшараны услайман, деп жасырын жерде жатады.
Өз торына илиндирип, ғәрипти услап алады.
31Бийшара жеңилип, қулайды,
Жаўыздың олжасына айланады.
32Олар өз кеўлинде: «Қудай қылмысларымызға итибар бермейди,
Жүзлерин жаўып алған, ҳеш қашан көрмейди», – деп ойлайды.

 

33Тур, Жаратқан Ийе, қолыңды соз, Қудай!
Езилгенлерди умытпа!
34Не ушын жаўызлар Сени менсинбейди?
Не ушын олар өз кеўлинде:
«Қудай меннен есап сорамайды», – дейди?
35Ал Сен езилгенлерди ҳәм азап шеккенлерди көресең,
Жәрдем бериў ушын оларға нәзер саласаң,
Шарасыз қалғанлар өзлерин Саған тапсырады,
Жетимлердиң жәрдемшиси Сенсең.
36Напәк ҳәм жаўыздың қолларын сындырып тасла,
Қылмыслары ушын олардан есап сора,
Басқа жаўызлық қылмасын олар.

 

37Жаратқан Ийе мәңги-бақый патшадур,
Басқа халықлар жоқ болады Оның елинен.

 

38Жаратқан Ийе, езилгенлердиң тилегин еситесең,
Жигерлендирерсең оларды,
Жетим ҳәм езилгенлердиң дадына қулақ салып,
39Ҳеш адам бендеси оларды қорқынышқа салмасын, деп,
Әдиллик қыласаң оларға.

 

10

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

1Жаратқан Ийеде пана табаман,
Қалай маған былай деп айтасыз:
«Қустай болып ушып кет таўыңа,
2Қара, пәк кеўилли адамларды,
Қараңғылықта атыў ушын,
Жаўызлар садақларын таярлап,
Оқларын салып керди.
3Тәртип-нызамның тийкары бузылса,
Ҳақ адам не қыла алады?»

 

4Жаратқан Ийе мухаддес Ибадатханасындадур,
Оның тахты көклерде,
Барлық адамзатты бақлар,
Нәзери адамларды тексерип турар.
5Жаратқан Ийе ҳақ адамды сынар,
Наҳақ адамнан, жаўызлықты сүйиўшиден жеркенер.

 

6Наҳақлардың үстине шоқ, отлы күкирт жаўдырады,
Олар ушын үлес қылып, ыссы шөл самалын жибереди.
7Жаратқан Ийе әдалатлыдур, әдил ислерди сүйеди,
Туўры жүретуғын адамлар Оның жүзин көреди.

 

11

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Төменги даўыста айтылатуғын Даўыттың жыры.

 

 

 

2Қутқар мени, Жаратқан Ийе, садық қулың қалмады,
Садық адамлар жоқ болды.
3Ҳәмме бир-бирине жалған сөйлер,
Еки жүзлилик қылып, жалатайлық қылар.

 

4Жаратқан Ийе кессин еки жүзлилердиң тиллерин,
Мақтаншақ аўызларды жаўып тасласын.
5Олар: «Тилимиз бенен жеңиске ерисемиз,
Ким бизге хожайынлық қылады?» – деп айтады.

 

6Жаратқан Ийе былай дейди: «Бийшаралар зулымлық көрди,
Жарлылар ҳәсирет шекти. Енди қозғаламан,
Өзлери умтылған қутқарылыўды беремен».
7Жаратқан Ийениң сөзлери пәкдур,
Оның сөзлери мегзер,
Жети мәрте ошақта тазаланған гүмиске.

 

8Жаратқан Ийе, Сен оларды қорғайсаң,
Жаўыз нәсиллерден бәрқулла сақлайсаң!
9Адамлар арасында жаманлық мақтаўлы,
Жаўызлар ҳәр тәрепте толып атыр.

 

12

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, қашанға дейин мени умытасаң?
Мәңгиге ме?
Қашанға дейин, жүзиңди меннен жасырасаң?
3Қашанға дейин, жаным азапта қалып,
Күн даўамында жүрегим ғамға толады?
Қашанға дейин, душпаным меннен үстем шығады?
4Аўҳалыма қара, Қудайым, Жаратқан Ийе, маған жуўап бер,
Көзлериме нур бер, өлим уйқысына кетпейин.
5«Оны жеңдик», – деп айтпасын душпанларым,
Жығылғанымда сүйсинбесин жаўларым.

 

6Үмит байлайман сүйиспеншилигиңе,
Мени қутқарып, кеўлимди толтыр қуўанышқа.
Жырлайман Сени, Жаратқан Ийе,
Өйткени маған жақсылық қылдың.

 

13

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

1Ақмақлар өз кеўлинде: «Қудай жоқ», – дер.
Олар бузылды, жеркенишли ислер қылар,
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.

 

2Ақыллы ҳәм Қудайды излейтуғын бар ма, деп,
Жаратқан Ийе көктен қарар адамзатқа.
3Ҳәмме адасқан, бирдей бузылған,
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ,
Бир де биреўи жоқ!

 

4Жаўызлық қылыўшылардың ҳәммеси,
Халқымды нандай етип жейтуғынлар,
Жаратқан Ийени шақырмайтуғынлар түсинбей ме?
5Оларды қорқыныш басып баратыр,
Қудай ҳақ адамлар менен биргедур.
6Напәклер езилгенлердиң нийетин пушқа шығарса да,
Жаратқан Ийе езилгенлердиң панасыдур.

 

7Келсе Израилдың қутқарылыўы Сийоннан!
Жаратқан Ийе Өз халқын абадан турмысқа еристирсе,
Яқыптың әўлады шадланып, Израил қуўанар еди!

 

14

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаратқан Ийе, ким жасай алады Сениң шатырыңда?
Ким мәканлай алады мухаддес таўыңда?

 

2Минсиз жасап, әдил ис қылғанлар,
Жүректен ҳақ гәп айтқанлар.
3Басқаларға жала жаўмағанлар,
Достына жаманлық ислемегенлер,
Жақынын уятқа қалдырмағанлар.
4Қудай бийзар адамлардан жеркенетуғынлар,
Жаратқан Ийеден қорқатуғынларды ҳүрмет ететуғынлар,
Өзине зыян болса да, ишкен антында туратуғынлар.
5Пул берип, сүтхорлық қылмағанлар,
Айыпсызға қарсы гүўалық бериў ушын пара алмағанлар.

 

Усылай жасағанлар мәңги сүрникпес.

 

15

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Сақла мени, Қудай!
Мен Сеннен пана тапқанман.
2Жаратқан Ийеге былай дедим: «Мениң Ийемсең,
Сеннен басқа бахыт жоқ мен ушын».

 

3Үлкедеги мухаддеслерге келсек,
Әжайыпдур, маған қатты унайды олар.

 

4Басқа қудайларға ергенлердиң дәрти артады,
Олардың ишимлик садақасы қан екен, буған қосылмайман,
Қудайларының атларын аўзыма алмайман.

 

5Маған тийисли үлесим ҳәм несийбем Сенсең, Жаратқан Ийе,
Тәғдирим Сениң қолыңда.
6Әжайып жерлер түсти пайыма,
Жүдә жағымлы мениң үлесим.

 

7Маған нәсият берген Жаратқан Ийеге алғыс айтаман,
Ҳәттеки, түнлерде тәлим берер жүрегим.
8Көзимди айырмайман Жаратқан Ийеден,
Ол оң жағымда болғаны ушын,
Ҳеш қашан сүрникпеспен.

 

9Соның ушын, жүрегим қуўанышқа, кеўлим йошқа толы,
Денем де тынышлық ишинде жасайды.
10Сен мени өлилер мәканына таслап кетпейсең,
Садық қулыңды қәбирде қалдырмайсаң.

 

11Өмир жолын маған көрсетесең,
Мол қуўаныш бардур Сениң дәргайыңда,
Оң қолың мәңги бахыт алып келер маған.

 

16

 

Даўыттың дуўасы

 

 

 

1Жаратқан Ийе, әдиллик ушын дуўа етемен, есит мени,
Пәриядымды тыңла,
Ҳийлесиз аўзымнан шыққан дуўама қулақ сал!
2Өзиң ҳүким етип, ҳақлығымды көрсет,
Көзлериң әдилликти көрсин.

 

3Жүрегимди изертлеп, түнде сынадың,
Мени толық тексерсең де, ҳеш нәрсе таппадың.
Аўзым гүна қылмасын, деп қарар қылдым.
4Басқа адамлардың қылмысларын қылмадым,
Сениң аўзыңнан шыққан сөзге әмел қылып,
Зорлық қылыў жолынан аўлақ жүрдим.
5Қәдемлерим менен Сениң жолыңды туттым,
Ҳеш қашан тайып кетпеди аяқларым.

 

6Саған жалбарынаман, Қудай,
Өйткени маған жуўап бересең.
Қулақ сал, тыңла сөзлеримди!
7Көрсет Өз сүйиспеншилигиңди,
Душпанларынан пана излеп,
Саған келгенлерди оң қолың менен азат ет!
8Көзиңниң қарашығындай етип қорға мени,
Қанатларыңның саясына жасыр,
9Жаўызлардың ҳүжиминен,
Сақла мени қоршап алған жаныма қас болғанлардан.

 

10Олардың жүреклерин май басқан,
Менмен сөзлер шығар аўзынан.
11Олар изиме түскен, қоршап алған,
Жерге урыў ушын маған көзлерин тиккен.
12Олар мени тилкимлемекши болған арыслан киби,
Буққыда жатырған жас арыслан сыяқлы.

 

13Кел, Жаратқан Ийе, оларға қарсы тур,
Оларды дизерлетип, тәжим қылдыр,
Қылышың менен напәклерден мени қутқар.
14Өз қолың менен аман сақла, Жаратқан Ийе,
Несийбеси бул дүньядан болған адамлардан.
Қарынлары Сен таярлап қойған жазаға тойсын,
Балалары да жеп тойсын,
Аўысып қалғаны олардың балаларына да қалсын!

 

15Ал мен, әдилликте Сениң жүзиңди көрейин,
Оянып, дийдарыңа тояйын.

 

17

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры. Жаратқан Ийе оны пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күнде, Даўыт усы жырды Оған арнап айтқан.

 

 

 

2Сени сүйемен, күш-қүдиретим Сенсең, Жаратқан Ийе!

 

3Жаратқан Ийе – сүйенген таўым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым.
Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман,
Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым ҳәм қорғанымдур!
4Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман,
Қутқарыламан душпанларымнан.
5Әжел арқанлары шырмап алып,
Набыт қылыў ағыслары қорқытты мени.
6Өлилер мәканының арқанлары байлады мени,
Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым,
Жәрдемге шақырдым Қудайымды.
Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти,
Қышқырғаным қулағына жетип барды.

 

8Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды,
Силкинди таўлардың негизги тырнақлары,
Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9Мурнынан түтин көтерилди,
Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып,
Оннан көмир шоғы жаўды.
10Көклерди жарып, төменге түсти,
Қара булт Оның аяғының астында.
11Бир керубқа[6] минип,
Самалдың қанатлары үстинде ушты.
12Өзин жасырыў ушын түнекти перде қылды,
Қойыў қара бултларды Өзине шертек қылды.
13Оның алдындағы нурдан,
Буршақ ҳәм көмир шоғы қара бултларды жарып шықты.
14Гүркиреди аспанда Жаратқан Ийе,
Даўыс берди Қудай Таала.
Буршақ ҳәм көмир шоғы жаўды.
15Оқларын атып, душпанларды пытыратты,
Шақмақ шақтырып, оларды албыратып таслады.
16Жаратқан Ийе, Сениң кейисиңнен,
Мурныңнан шыққан күшли демиңнен,
Суўлардың түби көринди,
Дүньяның тийкары ашылып қалды.

 

17Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан,
Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18Қутқарды мени күшли душпанымнан,
Меннен күшлирек болған,
Мени жек көретуғынлардан.
19Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде,
Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20Ол кең жерге шығарды мени,
Кеўли толып, қутқарды мени.

 

21Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын сый берип,
Пәк қолларым ушын есесин қайтарды.
22Өйткени жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен,
Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23Көз алдымда сақладым барлық қарарларын,
Жүз бурмадым Оның қағыйдаларынан.
24Минсиз болдым оның алдында,
Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25Есесин қайтарды Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын,
Көз алдында қолларымның пәклиги ушын.

 

26Сен садыққа садықлық көрсетип,
Минсизге минсиз боласаң.
27Пәк адамға пәклигиңди көрсетип,
Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28Кишипейиллерди қутқарасаң,
Менменди болса, жерге урасаң.
29Қудайым, Жаратқан Ийе, шырағымды жағыўшы,
Қараңғылығымды жақтыландырыўшы Сенсең.
30Сениң менен ләшкерлерди қыйратып,
Қудайым менен дийўаллардан асарман.

 

31Қудайдың жолы минсиз,
Жаратқан Ийениң сөзи исенимлидур,
Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма?
Қудайымыздан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33Қудай мени күш-қуўатқа толтырар,
Жолымды туўры қылар.
34Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды,
Қояр мени бийикликлерге.
35Үйретеди қолларымды урысыўға,
Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды,
Оң қолың маған сүйениш болады,
Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37Кең қыларсаң басар жолымды,
Аяқларым мениң сүрникпес.
38Душпанларымның изинен қуўып, жетип алдым,
Оларды жоқ қылмай турып, изге қайтпадым.
39Езип тасладым, тура алмай қалды олар,
Аяқларым астында созылып жатты.
40Саўаш ушын мени толтырдың күшке,
Маған қарсы шыққанларды бас ийдирдиң алдымда.
41Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың,
Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады,
Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43Ездим оларды самал ушырған шаң сыяқлы,
Жердеги ылай сыяқлы шашыратып тасладым.

 

44Қутқардың халықтың көтерилисинен,
Миллетлердиң басшысы қылдың мени,
Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45Мен туўралы еситиўден бойсынып,
Жат еллилер маған жалтақ болды.
46Жат еллилердиң жүзлери қуўарып,
Шықты титиреп, паналаған жерлеринен.
47Жаратқан Ийе тири!
Қорғаўшы жартасыма алғыслар болсын!
Уллылансын қутқарыўшым Қудай!
48Ол душпанларымнан өш алыўыма жол қойды,
Халықларды маған бағынышлы қылды.
49Алып шығар Ол душпанларым арасынан,
Аўа, үстин қылар маған қарсы шыққанлардан,
Азат қылар жаўызлардың қолынан.
50Буның ушын, Жаратқан Ийе,
Тәрийиплеймен Сени халықлар арасында,
Саз шертип алғыс айтаман атыңа арнап.
51Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер,
Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына,
Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер.

 

18

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Қудайдың уллылығын көклер жәриялап турады,
Оның дөретпеси ҳаққында аспан гүмбези хабарлайды.
3Буны күн күнге жәриялайды,
Түн түнге мәлим қылады.
4Ол жерде бир сөз де, бир гәп те айтылмас,
Шықпас олардан ҳеш қандай сес.
5Бирақ хабарлары ҳәр тәрепке тарқалар,
Сөзлери дүньяның төрт тәрепине жетип барар.

 

Қудай қуяш ушын көклерде шатыр қурды.
6Қуяш шымылдықтан шыққан күйеў балаға уқсайды,
Жуўырмақшы болған жуўырыўшы яңлы қуўанады.
7Аспанның бир шетинен шығып,
Жолын басқа бир шетине қарай даўам етеди,
Оның ҳәўиринен ҳеш нәрсе жасырына алмайды.

 

8Жаратқан Ийениң нызамы минсиз,
Ол жанға жан қосар,
Жаратқан Ийениң буйрықлары исенимли,
Ол саданы дана қылар.
9Жаратқан Ийениң ҳүкимлери дурысдур,
Жүректи шадлыққа толтырар.
Жаратқан Ийениң буйрықлары анықдур,
Олар көзлерге нур берер.
10Жаратқан Ийеден қорқыў пәклик,
Бул мәңги даўам етер.
Жаратқан Ийениң қағыйдалары ҳақыйқат,
Барлығы әдилдур.
11Булар алтыннан, сап алтыннан да қәдирли,
Пал көзгенектен тамған палдан да мазалы.
12Булар қулың болған маған нәсият берер,
Оларға әмел қылғанлар уллы сый алар.
13Ким өз қәтесин көре алады?
Билмей қылған гүналарымнан Өзиң пәкле.
14Биле тура гүна ислеўден сақла қулыңды,
Гүнаның мени басқарыўына жол қойма!
Сонда мен минсиз боламан,
Аўыр гүнадан да узақта боламан.

 

15Аўзымнан шыққан сөзлер,
Жүрегимдеги ой-пикирлер,
Сениң алдыңда мақул болсын,
Жаратқан Ийе, сүйенген таўым, әменгерим!

 

19

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Қыйыншылықта қалғаныңда, Жаратқан Ийе жуўап берсин,
Яқыптың Қудайының аты сени аман сақласын!
3Жәрдем жиберсин саған Мухаддес мәканынан,
Сийоннан Ол саған сүйениш болсын.
4Барлық садақаларыңды ядында сақласын,
Жандырылатуғын қурбанлықларыңа ыразы болсын! Селаҳ
5Кеўлиңдегини берсин саған,
Барлық жобаларыңды жүзеге асырсын!
6Сонда жеңисиң ушын бәлент даўыс пенен шадланамыз,
Қудайымыздың аты менен байрақларымызды орнатамыз,
Жаратқан Ийе барлық тилегиңди жүзеге асырсын.

 

7Билемен, Жаратқан Ийе Өзи майлаған патшаға жеңис берер,
Оң қолының қутқарыў күши менен,
Мухаддес аспанынан оған жуўап берер.
8Базылар саўаш арбаларға,
Базылар атларға исенеди,
Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң атын шақырамыз.
9Олар жерге шөгип, қулайды,
Бизлер турып, тиклеймиз қәддимизди.

 

10Жаратқан Ийе, патшамызға жеңис сыйла,
Жуўап бере гөр Саған жалбарынғанымызда!

 

20

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, қүдиретиңе патша қуўанар,
Берген жеңисиңе сондай шадланар!
3Жүрегиндеги арзыў-әрманын бердиң,
Аўзынан шыққан тилегинен бас тартпадың. Селаҳ
4Оны уллы жарылқаўлар менен қарсы алдың,
Басына сап алтыннан таж кийдирдиң.
5Сеннен өмир сорағанда, өмир бердиң,
Узақ, мәңги-бақый өмир сыйладың.
6Жеңис берип, оны уллы даңққа бөледиң,
Оны абырай ҳәм салтанатқа бөледиң.
7Оның үстине мәңги берекет жаўдырдың,
Қасында болып, шадлыққа толтырдың.

 

8Патша Жаратқан Ийеге исенеди,
Қудай Тааланың сүйиспеншилиги арқалы сүрникпейди.

 

9Қолың барлық душпанларыңды,
Оң қолың Сени жек көретуғынларды табады.
10Жаратқан Ийе, Сен келген ўақтыңда,
Қызған тандырға айландырасаң оларды.
Өз ғәзебиң менен оларды жутып,
Жалын менен жандырасаң.
11Жоқ етесең урпақларын жер жүзинен,
Зүрядын адамлар арасынан.
12Душпанларың жаманлық жобасын дүзип,
Саған қарсы жаўызлық ойласа да,
Олар ҳеш нәрсеге ерисе алмайды.
13Оқ жайыңды керип, жүзине гөзлеп,
Артына қашыўға мәжбүрлейсең.

 

14Уллылығың менен көтерил, Жаратқан Ийе!
Қүдиретиңди саз шертип, жырлайық.

 

21

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. «Таңдағы суўын» намасына айтылады. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Қудайым, Қудайым! Неге мени таслап кеттиң?
Неге меннен соншелли узақтасаң?
Не ушын маған жәрдем бермейсең,
Шеккен налаларымды еситпейсең?
3Қудайым! Күн бойы шақыраман, жуўап бермейсең,
Түн бойы шақыраман, еле тынышлық таппадым.
4Сен мухаддессең,
Израилдың алғыслары үстине тахт қурғансаң.
5Саған үмит қылды ата-бабаларымыз,
Үмит байлады, Сен оларды қутқардың.
6Саған жалбарынып, азат болды,
Саған исенип, алданып уятқа қалмады.

 

7Бирақ мен адам емес, қуртпан,
Адамлар мени кемситеди, халық жек көреди.
8Мени көргенлердиң ҳәммеси үстимнен күлер,
Басларын шайқап былай дер:
9«Жаратқан Ийеге өзин тапсырды, оны қутқарсын,
Оннан кеўли толса, Оның Өзи жәрдем берсин!»

 

10Сен едиң мени ана қарнынан шығарған,
Сен едиң емизиўли ўақтымда мени аман сақлаған.
11Туўылғанымнан алдын, Сениң ғамхорлығыңа өткенмен,
Анамның қарнынан берли, Қудайым Сенсең.
12Меннен узақ болма,
Себеби апат жақын маған,
Жәрдем беретуғын ҳеш ким жоқ.

 

13Сүзетуғын буғалардай қоршап атыр көп душпанлар,
Башанның күшли буғаларындай дөгереклеп тур.
14Арқыраған жыртқыш арыслан яңлы,
Олар маған қарсы аўзын ашып турыпты.
15Суў сыяқлы төгилдим,
Барлық сүйеклерим буўынларынан босасты,
Мумдай болып, жүрегим ишимде ериди.
16Кеўип қалған гүлалдай ҳал-дәрманым қалмады,
Тилим таңлайыма жабысты,
Мени өлим топырағына жатқыздың.
17Әтирапымда ийтлер ызғып жүр,
Жаўызлар топары дөгерегимди қоршап тур.
Аяқ-қолларымды тесип атыр.
18Барлық сүйеклеримди санай аламан,
Душпанларым маған тигилип, тамаша қылып тур.
19Кийимлеримди өз ара бөлисип,
Оның ушын шек таслап атыр.

 

20Меннен узақ болма, Жаратқан Ийе,
Күш-қуўатым мениң, жәрдемге асық!
21Жанымды қылыш жүзинен,
Өмиримди ийтлердиң пәнжесинен қутқар!
22Қутқар мени арысланның аўзынан,
Жабайы буғалардың шақынан,
Жалбарыныўыма жуўап бердиң.
23Туўысқанларыма Сениң атыңды жәриялайман,
Жәмийет алдында Саған алғыс-мақтаў айтаман.

 

24Ҳәй, Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар,
Оған алғыс-мақтаў айтыңлар!
Оны даңққа бөлең, ҳәй, Яқып урпағы!
Оған ҳүрмет көрсетиң, ҳәй, Израил урпағы!
25Өйткени езилгенниң қайғы-ҳәсиретин көрип,
Ол тиксинип, жеркенип қарамады.
Ал оннан жүзин жасырмай, қулақ салды оның пәриядына.

 

26Уллы жыйында алғыс-мақтаў айтыўымның себеби Сенсең,
Сеннен қорққанлардың алдында орынлайман ўәделеримди.
27Жарлылар жеп тояды,
Сени излегенлер алғыс-мақтаў айтады,
Олардың өмири узақ ҳәм шад болады!
28Жер жүзиниң барлығы Жаратқан Ийени еслеп, Оған қайтады,
Дүньядағы барлық миллетлер Оның алдында тәжим қылады.
29Себеби бийлик Жаратқан Ийеге тийисли,
Барлық миллетлерге Ол ҳүкимдарлық қылады.

 

30Жер жүзиндеги барлық байлар ишип-жеп, Оған тәжим қылады,
Ҳәтте, топыраққа кететуғын ҳәм жанын сақлай алмайтуғынлар да,
Оның алдында дизе бүгип, бас ийеди.
31Келешек әўладлар Оған хызмет етеди,
Туўылатуғын нәсиллерге Ийемиз ҳаққында жәрияланады.
32Олар келип, Жаратқан Ийениң қутқарыў жолын,
Оның қылған ислерин еле туўылмағанларға жеткереди.

 

22

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаратқан Ийе шопанымдур,
Мен мүтәжлик көрмеспен.
2Мени жасыл жайлаўларда жатқызар,
Тыныш ағын суў бойына алып барар.
3Ол жанымды қайта тиклеп,
Өз аты ушын мени туўры жолға жетеклер.
4Ҳәттеки, өлим қараңғылығы яңлы,
Өтсем де сол ойпатлықтан,
Қорқпайман қәўип-қәтерден.
Өйткени Сен мениң менен биргесең,
Ҳасаң, шопанлық таяғың,
Тынышлық берер маған.

 

5Көз алдында душпанларымның,
Мен ушын дастурхан жаясаң.
Басыма май сүртип,
Кесемди мениң толтырасаң.
6Өмирим бойы жақсылық ҳәм сүйиспеншилик изимнен жүрер,
Жаратқан Ийениң үйи мәңги мәканым болар.

 

23

 

Даўыттың жыры.

 

 

 

1Жаратқан Ийеге тийисли жер жүзи ҳәм ондағы пүткил барлық,
Әлем ҳәм онда жасайтуғынлар.
2Ол теңизлердиң үстине әлемди орнатып,
Оны беккемледи суўлар үстине.

 

3Ким шыға алады Жаратқан Ийениң таўына?
Ким тура алады Оның мухаддес жеринде?
4Қоллары пәк, жүреги таза болған,
Кеўлин жалған нәрселерге бермеген,
Жалғаннан ант ишпеген адам.
5Ол Жаратқан Ийеден жарылқаў алады,
Қутқарыўшысы Қудай оны ақлайды.
6Жаратқан Ийени излегенлер,
Оның жүзин көриўди тилеген Яқыптың нәсили сондай болады. Селаҳ

 

7Кең ашылың, ҳәй дәрўазалар!
Ашылың, ҳәй әзелги қапылар!
Уллы Патша кирсин ишке!
8Ким бул уллы Патша?
Ол Жаратқан Ийедур, күшли ҳәм қүдиретли,
Саўашларда қүдиретли болған Жаратқан Ийе.
9Көтерилип ашылың, ҳәй дәрўазалар!
Ашылың, ҳәй әзелги қапылар!
Уллы Патша кирсин ишке!
10Ким бул уллы Патша?
Ол – Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Ол – уллы Патша! Селаҳ

 

24

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаратқан Ийе, пүткил барлығым менен Саған жақынласаман,
2Қудайым, Сеннен үмит қыламан,
Мен уятқа қалмайын,
Душпанларым меннен үстин шығып, қуўанбасын.
3Саған үмит байлаған ҳасла уятқа қалмас,
Себепсиз қыянет ететуғынлар уятқа қалар.

 

4Жаратқан Ийе, жолларыңды көрсет,
Өз соқпақларыңды маған түсиндир.
5Ҳақыйқатлыққа жетелеп, үйрет маған,
Қутқарыўшым Қудай Өзиңсең.
Күни бойы үмитим Сеннен.
6Жаратқан Ийе, реҳимиңди ҳәм сүйиспеншилигиңди есле,
Өйткени булар әзелден бери бардур.
7Еске алма жаслықтағы гүна ҳәм қылмысларымды,
Сүйиспеншилигиң ҳәм ийгилигиң ҳақы,
Мени есле, Жаратқан Ийе.

 

8Жаратқан Ийе жақсы ҳәм әдалатлыдур!
Соның ушын, гүнакарларға жол көрсетер.
9Кишипейиллерди әдиллик жолы менен алып жүрер,
Оларға Өз жолын үйретер.
10Келисимдеги буйрықларға әмел қылғанлар ушын,
Жаратқан Ийениң соқпақлары сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа толыдур.

 

11Жаратқан Ийе, Өз атың ҳақы,
Айыпларымды кешир, себеби көпдур айыбым.
12Ким Жаратқан Ийеден қорқса,
Жаратқан Ийе оған таңлайтуғын жолды көрсетер.
13Ол адам бахытлы жасар,
Оның нәсили елди мүлик етип алар.
14Жаратқан Ийе Өзинен қорққанларға сырлас болар,
Келисимин оларға билдирер.
15Көзлерим ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийе тәрепте,
Ол азат қылар тордан аяқларымды.
16Аўҳалыма қара, реҳим қыл маған,
Өйткени жалғызбан ҳәм езилгенмен.
17Артып бармақта жүрегимдеги қайғылар,
Усы дәртлерден мени қутқар!
18Азап-ақыретиме қара,
Кешир барлық гүналарымды!
19Душпанларыма қара, қаншелли көбейген,
Жаўызларша олар мени жек көреди!
20Жанымды сақлап, қутқара гөр!
Шерменде қыла гөрме мени,
Себеби мен Сеннен пана тапқанман!
21Шынлық ҳәм әдиллик мени қорғасын,
Өйткени Саған үмит байлағанман.

 

22Қудай, қутқар Израилды,
Барлық қайғы-ҳәсиретлеринен.

 

25

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Мени ақла, Жаратқан Ийе,
Мен пәк жолдан жүрдим,
Екиленбестен Жаратқан Ийеге үмит байладым.
2Жаратқан Ийе, мени тексерип, имтиханнан өткер,
Жүрегим ҳәм нийетимди сынап көр.
3Сүйиспеншилигиң көз алдымда,
Сениң садықлығың мени жетеклер.
4Өтирикшилер менен бирге отырмайман,
Еки жүзлилер менен дос болмайман.
5Напәклер топарын жек көремен,
Зулымлардың арасында отырмайман.
6Көрсетиў ушын айыпсызлығымды,
Жуўаман қолларымды, Жаратқан Ийе,
Қурбанлық орныңды айланып жүремен.
7Бәлент даўыс пенен алғыс қосығын айтаман,
Тәрийиплеймен, барлық әжайып ислериңди.
8Жақсы көремен, Жаратқан Ийе, Сен мәкан қылған үйди,
Сениң салтанатың орналасқан жерди.

 

9Гүнакарлар менен бирге жанымды алма,
Қанхорлар қатарында өмириме шек қойма.
10Жаўыз жоба дүзер олардың қоллары,
Ҳәмме ўақытта пара алыўға таяр.
11Ал мен пәк өмир сүремен,
Қутқар мени, реҳим қыл маған!

 

12Аяқларым тегис жерде турыпты,
Жаратқан Ийе, уллы жыйында Сени алғыслайман.

 

26

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаратқан Ийе мениң нурым ҳәм қутқарыўшым,
Мен кимнен қорқаман?
Жаратқан Ийе өмиримниң қорғаны,
Мени ким қорқыта алар?
2Денемди тилкимлеў ушын жаўызлар үстиме бастырып келгенде,
Жаўларым ҳәм душпанларым маған қарсы шабыўыл жасағанда,
Өзлери сүрнигип, қулайды.
3Бир орда ләшкер мени қамал қылса да,
Жүрегим қорқпас,
Маған қарсы урыс басланса да,
Үмитим үзилмес.

 

4Жаратқан Ийеден тилегим, қәлейтуғыным мынаў:
Жаратқан Ийениң үйинде өмир бойы жасаў,
Оның гөззаллығын көриў,
Ибадатханасында сыйынып, ой жуўыртыў.
5Апатта қалған күнлеримде,
Ол мени Өз панасында аман сақлайды.
Шатырының ишине жасырып мени,
Бәлент жартас үстине алып шығады.
6Сонда әтирапымдағы душпанларым үстинен,
Басым жоқары көтериледи.
Бәлент даўыс пенен шадланып,
Қурбанлық беремен Жаратқан Ийениң шатырында,
Саз шертип, Оны жырлайман.

 

7Жаратқан Ийе, қулақ сал даўысыма, Саған жалбарынаман,
Реҳим етип, жуўап бер маған!
8«Мениң жүзимди изле!» дегениңди кеўлим еситти,
Аўа, Жаратқан Ийе, Сениң жүзиңди излеймен.
9Жүзиңди меннен жасырма,
Ғәзепленип, қулың болған меннен жүз бурма!
Жәрдемшим Сен болдың,
Жүз бурып, мени тәрк етпе,
Қудай, қутқарыўшым мениң!
10Ата-анам мени таслап кетсе де,
Жаратқан Ийе мени қабыл етеди.
11Жаратқан Ийе, жолыңды үйрет маған,
Буққыда жатқан душпанларыма бола,
Туўры соқпақларыңнан жетеле мени.
12Жаўларымның қолына тапсырма мени,
Себеби маған қарсы шықты
Жалған гүўалар, наҳақ айыплаўшылар.

 

13Бирақ мынаған анық исенемен:
Мен тирилер әлеминде жүрип,
Жаратқан Ийениң ийгилигин көремен.
14Жаратқан Ийеге үмит қыл,
Күшли ҳәм мәрт бол,
Жаратқан Ийеге үмит қыл.

 

27

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Саған жалбарынаман, Жаратқан Ийе,
Қорғаўшы жартасым, еситпей қалма даўысымды.
Егер маған жуўап бермей, үнсиз қалсаң,
Өлим шуқырына түскен адамдай болып қаламан.
2Сени жәрдемге шақырғанымда,
Қолларымды мухаддес Ибадатханаңа созғанымда,
Қулақ сал жалбарыныўларыма.
3Мени жаўызлар ҳәм наҳақлық қылатуғынлар менен,
Бир қатарға қойып, жазалама.
Олар адамлар менен досларша қатнаста болып,
Жүреклеринде жаўызлық ислеўди нийет қылар.

 

4Қылмысларының, ислеген жаўызлықларының есесин қайтар,
Қоллары менен ислеген наҳақлықларына жараса жаза бер.
5Олар итибар бермес Жаратқан Ийениң ислерине,
Оның қолларының дөретпесине.
Соның ушын, Жаратқан Ийе оларды қулатады,
Олар қайтадан тиклене алмайды.

 

6Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
Ол қулақ салды мениң жалбарыныўларыма.
7Жаратқан Ийе күш-қуўатым ҳәм қалқанымдур,
Жүректен Оған исенемен,
Ол маған жәрдем берди, жүрегим шадланар,
Жырларым менен Оған алғыс айтаман.

 

8Жаратқан Ийе Өз халқының қүдиретидур,
Өзи майлаған патшаның қутқарылыў қорғаныдур.
9Халқыңды қутқар, Өз меншик халқыңды жарылқа,
Олардың шопаны бол, мәңги ғамхорлық қыл!

 

28

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Ҳәй, иләҳий барлықлар, Жаратқан Ийени алғыслаң,
Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин алғыслаң,
2Жаратқан Ийениң уллы атын алғыслаң,
Мухаддес кийимлерде Жаратқан Ийеге сыйының!

 

3Суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң даўысы,
Уллы Қудай гүркиреп, даўыс шығарар,
Қүдиретли суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң жаңғырығы.
4Жаратқан Ийениң даўысы күшлидур,
Жаратқан Ийениң даўысы салтанатлыдур.
5Жаратқан Ийениң даўысы кедр ағашларын сындырар,
Ҳәттеки, Лебанондағы кедр ағашларын майдалап таслар.
6Ол Лебанон таўын буғадай етип,
Сирйон таўын жабайы бузаўдай етип, секиртер.
7Шақмақ шақтырады Жаратқан Ийениң даўысы,
8Шөлистанды титиретеди Оның даўысы,
Жаратқан Ийе Қадеш шөлин ләрзеге салар.
9Жаратқан Ийениң даўысы суўынларды туўдырар,
Тоғайларды жалаңашлар.
Оның Ибадатханасында ҳәмме «Даңқ болсын!» деп бақырысар.
10Жаратқан Ийе топан суўы үстине тахтын қурды,
Ол мәңги патша болып қалады.
11Жаратқан Ийе Өз халқына күш бағышлар,
Халқын тынышлық пенен жарылқар!

 

29

 

Даўыттың жыры. Жаратқан Ийениң үйи бағышланған ўақытта айтылған қосық.

 

 

 

2Сени уллылайман, Жаратқан Ийе,
Өйткени мени жоқары алып шықтың,
Душпанларымның мениң үстимнен
Күлиўине жол қоймадың.
3Қудайым Жаратқан Ийе,
Саған жалбарындым, маған шыпа бердиң.
4Жаратқан Ийе, жанымды өлилер мәканынан алып шықтың,
Өлим шуқырына түсип баратырғанымда, мени қутқардың.
5Ҳәй Жаратқан Ийениң садық қуллары,
Саз шертип, Оны алғыслаң,
Оның мухаддес атына миннетдаршылық билдириң.
6Оның ғәзеби бир мезгил даўам етер,
Меҳрибанлығы болса, бир өмир.
Қайғы-азап бир түн болар,
Бирақ азан менен қуўаныш кирип келер.

 

7Әўметли болып, исим жүрискенде,
«Ҳасла сүрникпеспен!» – деген едим.
8Жаратқан Ийе, меҳриң менен
Мени таўдай қылып беккемледиң.
Бирақ Сен жүзиңди жасырғаныңда,
Қорқыныш бийлеп алды мени.

 

9Жаратқан Ийе, Сени шақыраман,
Ийеме жалбарынып, реҳим сорайман:
10«Егер мен кирсем қәбирге,
Өлимимнен Саған не пайда?
Топырақ Саған алғыс айта ма?
Сениң садықлығыңды жәриялай ма?
11Қулақ сал, Жаратқан Ийе, маған реҳим қыл,
Жәрдемшим бол, Жаратқан Ийе!»

 

12Қайғымды тойға айландырдың,
Аза кийимимди шешип, шадлыққа бөледиң.
13Кеўлим Сени алғыслап қосық айтсын, үнсиз қалмасын,
Саған мәңги миннетдаршылық билдиремен, Қудай Ийем.

 

30

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, Сени паналайман,
Мени ҳасла шерменде қылма!
Әдалатлығың менен қутқар мени!
3Маған қулақ сал, дәрҳал қутқар мени,
Паналайтуғын жартасым бол,
Қутқарылыўым ушын, беккем қорған бол!
4Шынында да, Сен жартасым ҳәм қорғанымсаң,
Өз атың ушын мени жетеле, жол көрсет маған.
5Маған қарсы қойылған тордан узақлат мени,
Өйткени Өзиңсең мениң панам.
6Жанымды қолларыңа тапсыраман,
Жаратқан Ийе, садық Қудай, қутқар мени.

 

7Бийҳуда бутларға табыныўшылардан жеркенемен,
Жаратқан Ийеге исенемен мен.
8Садықлығың арқалы йошып, шад болайын,
Себеби қайғыларымды Өзиң көрдиң,
Шеккен азапларымды билесең.
9Мени душпанның қолына тапсырмадың,
Ал аяқларымды кең жерге бастырдың.

 

10Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе, қыйыншылықтаман,
Қайғы-азаптан көзлерим сөнди,
Жан-тәним де тамам болды.
11Өмирим азап пенен,
Жылларым «аҳ» урыў менен таўысылар,
Гүналарым себепли күшим қайтып,
Сүйеклерим қуўрап қалар.
12Душпанларым себепли жек көринши болдым,
Әсиресе өз қоңсыларыма.
Досларым да аўҳалымды көрип қорқады,
Мени көшеде көргенлер меннен қашатуғын болды.
13Марҳум сыяқлы умыт болдым мен,
Сынып қалған ыдысқа уқсайман.
14Көплердиң өсек қылып атырғанын еситемен,
Әтирапымды қорқыныш орап алған.
Маған қарсы тил бириктирген,
Жанымды алыў ушын жоба дүзген.

 

15Жаратқан Ийе, мен Саған исенемен,
«Қудайым Сенсең!» деп айтаман.
16Тәғдирим Сениң қолыңда,
Мени душпанларымның қолынан,
Изиме түскенлерден қутқара гөр.
17Нурлы жүзиң қулыңа нур шашсын,
Сүйиспеншилигиңди көрсетип, қутқар мени!
18Шерменде қылма мени, Жаратқан Ийе,
Жәрдем сорап, Саған жалбарынаман.
Жаўызлар шерменде болсын,
Өлилер мәканында үнлери өшсин.
19Менменлик пенен, жоқарыдан қарап,
Әдил адамнан жеркенип, оны кемситип сөйлегенниң,
Өшсин жалған сеслери.

 

20Ийгилигиң соншелли молдур, Жаратқан Ийе,
Оны Өзиңнен қорққанлар ушын сақлайсаң,
Ҳәммениң көз алдында,
Сеннен пана тапқанларға жақсы қатнас қыласаң.
21Адамлардың жаўыз жобасынан,
Дәргайыңда пана болып, оларды қорғайсаң,
Жаман тиллерден,
Өз панаңда сақлайсаң.

 

22Жаратқан Ийеге алғыслар болсын,
Қамалдағы қалада қалғанымда,
Әжайып мийрим-шәпәәтиңди көрсеттиң маған.
23Қорқынышқа түсип, былай дедим:
«Сениң дәргайыңнан шығарылдым!»
Бирақ жәрдемге шақырғанымда Сени,
Еситтиң мениң жалбарыныўымды.

 

24Жаратқан Ийени сүйиң, ҳәй Оның садық қуллары!
Жаратқан Ийе Өзине садық болғанларды қорғайды,
Менменлерге толық жаза береди.
25Ҳәй, Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар,
Күшли болың ҳәм мәрт болсын жүрегиңиз!

 

31

 

Даўыттың маскили

 

 

 

1Қылмыслары кеширилгенлер,
Гүналары алып тасланғанлар қандай бахытлы!
2Жаратқан Ийе тәрепинен айыплы саналмаған,
Кеўлинде сумлық болмаған адам қандай бахытлы!

 

3Гүнамды мойынлаўдан бас тартқанымда,
Зар жылап жүргенликтен күни бойы,
Сүйеклерим кеўип қалды.
4Күни-түни қолың үстимде аўыр жүк болды,
Саратан ыссысының қурғақшылығы яңлы, дәрманым қалмады. Селаҳ
5Сонда гүнамды алдыңда мойынладым,
Айыбымды жасырмай, былай дедим:
«Жаратқан Ийениң алдында қылмысымды тән аламан».
Ал Сен айып-гүналарымды кеширдиң. Селаҳ

 

6Соның ушын, ҳәр бир садық қулың,
Мүмкиншилик бар ўақытта дуўа етсин.
Сонда топан суўы тасып кетсе де, оған жетип бармас.
7Сен мениң панамсаң,
Мени қәўип-қәтерден сақлайсаң,
Маған берген қутқарылыўың себепли,
Әтирапымдағыларды шадлыққа бөледиң. Селаҳ

 

8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Саған ақыл-нәсият беремен,
Жүретуғын жолыңды көрсетемен,
Мәсләҳәт берип, нәзеримнен қашырмайман.
9Ат ямаса ғашырдай ойсыз болмаң,
Суўлық ҳәм жүўен керекдур оларды жолға салыў ушын,
Болмаса, олар бойсынбайды».
10Напәклердиң азабы көп болады,
Бирақ Жаратқан Ийеге исенгенлерди,
Оның сүйиспеншилиги қоршап алады.
11Ҳәй, ҳақ адамлар,
Жаратқан Ийе арқалы қуўанып, шадланың,
Ҳәй, жүреги пәк болғанлар,
Ҳәммеңиз шадланың!

 

32

 

1Ҳәй, ҳақ адамлар, шадланып, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың!
Ҳақ адамларға жарасар Оған алғыс-мақтаў айтыў.
2Лира шертип, Жаратқан Ийени тәрийиплең,
Он тарлы арфада Оған арнап нама шалың.
3Оған арнап таза қосық айтың,
Бәлент даўыс пенен шадланып, саз шертиң.

 

4Жаратқан Ийениң сөзи ҳақыйқатдур,
Оның ҳәр бир иси исенимлидур.
5Жаратқан Ийе ҳақлықты ҳәм әдалатлықты сүйер,
Жер жүзи Оның сүйиспеншилигине толыр.

 

6Көклер Жаратқан Ийениң сөзи менен,
Аспан денелери аўзынан шыққан дем менен жаратылғандур.
7Ол теңиз суўларын бир жерге жыйнар,
Түпсиз суўларды суў сақлағышларға сыйдырар.
8Пүткил дүнья жүзи Жаратқан Ийеден қорқсын,
Жер жүзинде жасап атырғанның барлығы Оннан сескенсин.
9Өйткени Ол сөйледи, айтқаны бар болды,
Буйрық берди, ҳәммеси пайда болды.
10Жаратқан Ийе миллетлердиң жобаларын бузар,
Халықлардың нийетлерин босқа шығарар.
11Бирақ Жаратқан Ийениң жобалары мәңги турар,
Жүрегиндеги нийетлери әўладтан-әўладқа даўам етер.

 

12Қандай бахытлы, Қудайы Жаратқан Ийе болған миллет,
Қандай бахытлы, Жаратқан Ийе таңлап алған халық.
13Жаратқан Ийе көктен көз таслар,
Пүткил адамзатты көрер.
14Ол отырған тахтынан,
Гүзетер жер жүзинде жасайтуғынлардың ҳәммесин.
15Ол ҳәммениң жүрегин жаратқан,
Олардың ислериниң ҳәммесин билер.

 

16Әскери көп болғаны менен, патша қутқарылмас,
Уллы күши менен жаўынгер жеңе бермес.
17Жеңис ушын саўаш атлары бос үмитдур,
Олар қүдиретли күши менен қутқара алмас.
18Жаратқан Ийениң көзи Өзинен қорқатуғынларда,
Оның сүйиспеншилигинен үмит ететуғынларда.
19Олардың жанын өлимнен қутқарар,
Ашлық дәўирде оларды тири қалдырар.

 

20Жанымыз Жаратқан Ийеден үмит етер,
Ол жәрдемшимиз ҳәм қалқанымыздур.
21Ол арқалы жүрегимиз қуўанышқа толар,
Себеби Оның мухаддес атына үмит байлаймыз.
22Жаратқан Ийе, мудамы үмит байлаймыз Саған,
Сүйиспеншилигиң бизлерге яр болсын!

 

33

 

Абимелехтиң алдында өзин ақылы кемис қылып көрсетип, оның алдынан қуўылған ўақытта Даўыттың айтқан жыры.

 

 

 

2Ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге алғыс айтаман,
Алғыс-мақтаў түспейди аўзымнан.
3Жаратқан Ийе менен мақтанар жаным,
Езилгенлер еситип, шад болсын!
4Мениң менен бирге Жаратқан Ийени уллылаң,
Атын биргеликте даңққа бөлейик.

 

5Жаратқан Ийеге жалбарындым, Ол жуўап берди маған,
Мени азат етти барлық қәўип-қәтерден.
6Оннан үмит қылғанлардың жүзинде нур жарқырайды,
Уятта қалып, жүзлери қызармайды.
7Мен езилип жалбарындым, Жаратқан Ийе еситти,
Мени барлық азапларымнан азат етти.
8Жаратқан Ийеден қорқатуғынлардың әтирапына,
Оның периштелери орда қурып, қутқарар оларды.
9Жаратқан Ийениң жақсылығын татың ҳәм көриң.
Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар.
10Жаратқан Ийеден қорқың, ҳәй, Оның мухаддеслери,
Өйткени Оннан қорққанлардың болмас мүтәжлиги.
11Ҳәттеки, арысланлар аш ҳәм мүтәж болар,
Бирақ ҳеш қандай мүтәжлик көрмес Жаратқан Ийеге келгенлер.
12Келиң, ҳәй балалар, тыңлаң мени:
Үйретейин сизлерге Жаратқан Ийеден қорқыўды.
13Ким өмирден заўықланып,
Бахытлы өмир сүриўди қәлейди?
14Онда, тилиңизди жаўызлықтан тыйып,
Аўзыңызды жалған сөзлерден сақлаң.
15Жаманлықтан қашып, жақсылық қылың,
Тынышлық тилеп, оның изинен жүриң.

 

16Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамлардың үстинде,
Қулағын түрер олардың дадына.
17Жаратқан Ийе қарсыдур жаманлық қылатуғынларға,
Жер жүзинен олардың атларын өширер.

 

18Ҳақ адамлар жалбарынар, Жаратқан Ийе еситер,
Барлық азапларынан оларды азат етер.
19Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур,
Руўхы езилгенлерди қутқарар.

 

20Ҳақ адамның қайғылары көп болса,
Булардан оны азат қылар Жаратқан Ийе.
21Барлық сүйеклерин Жаратқан Ийе сақлар,
Сындырылмас оның бир сүйеги де.

 

22Жаманлық залымды өлтирер,
Ҳақ адамнан жеркенген жаза алар.
23Өз қулларын Жаратқан Ийе қутқарар,
Ҳеш қандай жаза алмас Оннан пана тапқанлар.

 

34

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаратқан Ийе, маған қарсы болғанларға Өзиң қарсы шық,
Маған ҳүжим қылғанларға Өзиң қарсы ҳүжим қыл!
2Үлкен ҳәм кишкене қалқан алып,
Маған жәрдемге кел!
3Мени қуўып киятырғанларға қарсы,
Найза ҳәм балтаңды ал.
«Сени Мен қутқараман», – деп ўәде бер маған!

 

4Жаныма қаслық қылып жүргенлер,
Уятқа қалып, масқара болсын!
Маған қарсы жаўыз нийет еткенлер,
Шермендеси шығып, артқа шегинсин!
5Олар самалда ушқан қаўық сыяқлы болсын,
Жаратқан Ийениң периштеси изине түссин!
6Қараңғы ҳәм сырғанақ болсын олардың жолы,
Жаратқан Ийениң периштеси қуўсын оларды!

 

7Себепсиз маған тор қурды,
Мени тутып алыў ушын, себепсиз шуқыр қазды.
8Тосаттан олардың басына апат келсин,
Қойған торына өзлери түссин,
Қазған шуқырына өзлери қуласын.

 

9Сол ўақытта Жаратқан Ийе арқалы шадланаман,
Мени қутқарғаны ушын қуўанаман.
10Пүткил барлығым былай дейди:
«Ҳәлсизди күшлиниң қолынан,
Бийшара ҳәм жарлыны тонаўшылардан қутқаратуғын,
Саған уқсаған ким бар, Жаратқан Ийе?».

 

11Жаўыз нийетли гүўалар турып,
Билмейтуғын нәрселер ҳаққында меннен сорар.
12Олар жақсылығыма жаманлық қайтарар,
Жаным жалғызланып қалды.
13Олар кесел болған ўақытта,
Аза кийим кийип, ораза туттым.
Басымды ийип, дуўа қылдым[7].
14Достым, туўысқаным, деп қайғырдым,
Анам ушын аза тутқандай етип,
Қайғыдан басымды ийип жүрдим.
15Олар болса, жығылғанымда жыйналып, шад болды,
Маған қарсы жыйналды бийтаныс адамлар,
Тоқтамай кейиди мени.
16Қудайсызлардай аямай масқара қылды,
Маған қарап, тислерин ғышырлатты.

 

17Ийем, қашанға дейин қарап турасаң?
Қутқара гөр жанымды олардың ҳүжиминен,
Азат қыла гөр бул арысланлардан!
18Уллы жәмийет ишинде Саған шүкир айтаман,
Сансыз халық арасында Саған алғыс-мақтаў айтаман.

 

19Үстимнен күлмесин себепсиз маған душпан болғанлар,
Көзлерин қыспасын айыпсыз мени жек көргенлер.
20Тынышлық сөзин аўзына алмас олар,
Ал елде тыныш жасап атырғанларға қарсы,
Жалған сөзлерди ойлап табар.
21Маған қарсы аўзын кең ашып, былай деп айтар:
«Ҳа-ҳа, өз көзимиз бенен көрдик қылмысларыңды!»

 

22Ҳәммесин көрдиң, Жаратқан Ийе, үнсиз қалма,
Ийем, меннен узақ болма!
23Оян, тур, ҳуқықымды қорғап,
Мен ушын гүрес, Қудайым, Ийем!
24Әдиллигиңе гөре, мени ақлай гөр, Қудайым, Жаратқан Ийе!
Үстимнен күлмесин душпанлар!
25Олар ишинен былай деп айтпасын:
«Әне, болды-ғо бизиң қәлегенимиз!»
«Оның басына жеттик!» – демесин.

 

26Аўыр аўҳалыма шадланғанлар,
Уялып, шерменде болсын,
Меннен өзлерин үстин қойғанлар,
Уят ҳәм шерменделикке шырмалып қалсын.

 

27Мениң ҳақ болып шығыўымды қәлегенлер,
Шад болып, қуўансын.
Тынбастан былай деп айтсын олар:
«Қулының аманлығын қәлеген Жаратқан Ийе уллылансын!»
28Сонда күни бойы тилимнен түспес Сениң әдиллигиң,
Саған арнап алғыс-мақтаў айтаман.

 

35

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры.

 

 

 

2Наҳақлардың гүнасы жүрегинде сөйлейди.
Қудайдан қорқпас ол.
3Ол өзин жоқары қойып,
Гүнамды Қудай көрмейди,
Ҳүким қылмайды, деп айтар.
4Аўзынан жаманлық ҳәм жалған шығар,
Даналықтан ҳәм жақсылық қылыўдан бас тартар.
5Ҳәттеки, жатқанда да, напәкликти ойлар,
Жаман жолға түсип, бас тартпас жаўызлықтан.
6Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиң көклерге,
Садықлығың бултларға жайылғандур.
7Әдиллигиң уллы таўларға мегзер,
Әдалатың түпсиз теңизге уқсар.
Сен адамзатты да, ҳайўанды да қорғайсаң, Жаратқан Ийе!

 

8Сүйиспеншилигиң қаншелли баҳалыдур, Қудай!
Қанатларыңның саясында пана табар адамлар.
9Олар жеп тояр үйиңдеги молшылықтан,
Оларға ишкизерсең ләззетке толы дәрьяңнан.
10Өйткени өмир булағы Сенде,
Жақтылықты көремиз нурың арқалы.

 

11Сени таныйтуғынларға сүйиспеншилигиңди,
Жүреги пәклерге ҳақлығыңды көрсет.
12Менменниң аяғы мени баспасын,
Напәклердиң қоллары мени қуўмасын.
13Қара, жаўызлық ислеўшилер жерге жығылды,
Қайтып тура алмастай етип, төменге ылақтырылды.

 

36

 

Даўыттың жыры

 

 

 

1Жаманлық қылғанларға ашыўланба,
Жаўызлық ислеўшилерге қызықпа!
2Өйткени олар майса шөптей тез солып қалар,
Көк шөптей тез қуўрап қалар.

 

3Сен Жаратқан Ийеге үмит байлап, жақсылық қыл,
Усы елде жасап, садықлықты сақла.
4Жаратқан Ийеден рәҳәт тап,
Ол жүрегиңдеги қәлеўиңе жеткизер.

 

5Өмир жолыңды Жаратқан Ийеге тапсыр,
Оған исен, сонда Ол сен ушын ҳәрекет етер.
6Ол сениң әдиллигиңди нур сыяқлы жарқыратып,
Ҳақлығыңды күндизги қуяштай қылар.

 

7Жаратқан Ийениң алдында сабырлы бол, Оған үмит байла,
Ҳәўес қылма өз жолында әўметли болып,
Жаўыз нийетлерин әмелге асырғанларға.
8Ғәзебиңди тыйып, ашыўыңды бас,
Қызба болма, бул тек зыян алып келер.
9Жаўызлық етиўшилер жоқ етилер,
Жаратқан Ийеден үмит етиўшилер елге ийелик етер.

 

10Тез арада напәктиң күни питеди,
Қанша излесең де, бул жерде таба алмайсаң оны.
11Кишипейиллер болса, елге ийелик қылар,
Мол бахытқа ерисип, рәҳәт табар.
12Напәк адам пәк адамға қарсы жаман нийет қылар,
Оған қарсы тислерин ғышырлатар.
13Бирақ Ийе напәклер үстинен күлер,
Себеби олардың күни питкенин билер.

 

14Бийшара ҳәм жарлыны қулатып,
Туўры жолда жүргенлерди өлтириў ушын,
Напәклер қылышын жалаңашлап, керди садақларын.
15Бирақ қылышлары өзлериниң жүрегине суғылар,
Садақлары да сынып кетер.

 

16Ҳақ адамның аз заты,
Напәктиң байлығынан гөре абзалдур.
17Өйткени напәктиң күши қырқылар,
Ҳақ адамды болса, Жаратқан Ийе қоллап-қуўатлар.

 

18Минсизлердиң ҳәр күни Жаратқан Ийеге белгили,
Мәңги даўам етер олардың мийрасы.
19Уятқа қалмас олар жаман күнлерде,
Қарынлары тоқ болар ашлық ўақытта да.

 

20Бирақ напәклер сөзсиз қырылып қалар,
Жаратқан Ийениң душпанлары дала гүлиндей солып,
Түтин яңлы тарқалып, жоқ болар.

 

21Напәклер қарыз алар, қайтып бермес,
Ҳақ адам болса сақыйлық пенен берер.
22Жаратқан Ийе жарылқаған адамлар елге ийелик қылар,
Ал Ол ғарғаған адамлар жоқ болып кетер.

 

23Жаратқан Ийениң адамның жүрген жолына кеўли толса,
Оның қәдемлерин беккемлер.
24Ол сүрниксе де, жығылмас,
Өйткени Жаратқан Ийе қолынан услап қалар.

 

25Мен жас едим, енди қартайдым,
Ҳақ адамның таслап кетилгенин,
Оның урпағының нан сорағанын көрмедим.
26Ол ҳәмме ўақытта сақыйлық пенен қарыз берер,
Урпағы да жарылқаў алып келер.

 

27Жаманлықтан қашып, жақсылық қыл,
Сонда елиңде мәңги жасайсаң.
28Себеби Жаратқан Ийе ҳақлықты сүйер,
Ол садық қулларын тәрк етпейди.
Оларды мәңги қорғайды,
Напәклердиң урпағы жоқ болады.
29Ҳақ адамлар елди мүлик етип алар,
Сол елде мәңги жасап қалар.
30Ҳақтың аўзынан даналық шығар,
Оның тили әдалатты сөйлер.
31Қудайының нызамы жүрегиндедур,
Соның ушын, қәдеминде адаспайды.

 

32Напәк адам ҳақ адамды аңлып жүрер,
Оны өлтириўдиң жолын излер.
33Жаратқан Ийе ҳақ адамды напәклердиң қолына тапсырмас,
Ҳүким етилгенде, оны айыплы қылмас.

 

34Жаратқан Ийеге үмит байла, Оның жолынан жүр,
Ол сени мәртебели қылып, бул елди мүлик қылып берер.
Напәктиң қырылып кеткенин көресең.

 

35Көрдим напәк ҳәм жаўыз адамның,
Өз топырағында жасыл теректей өсип-өнгенин.
36Бирақ узақ турмай, ол өтип кетти, жоқ болды,
Қанша излесем де, таба алмадым оны.

 

37Минсизге итибар бер, ҳақ адамға қара,
Өйткени тынышлықты сүйетуғынлардың келешеги бар.
38Гүнакарлардың ҳәммеси қырылып кетер,
Напәктиң келешеги жоқ болар.

 

39Ҳақлардың қутқарылыўы Жаратқан Ийеден,
Апат күнинде оларға болар қорған.
40Жаратқан Ийеден пана тапқаны ушын олар,
Ол қоллап-қуўатлап, қутқарар,
Напәклердиң қолынан аман сақлап, азат қылар.

 

37

 

Даўыттың жыры. Бизлерди Жаратқан Ийениң ядына салыў ушын айтылады.

 

 

 

2Жаратқан Ийе, ғәзепленип, мени әшкаралама,
Қәҳәрленип, мени жазалама!
3Ишиме қадалды оқларың,
Үстиме басылды қолларың.
4Ғәзебиңнен денемде қалмады саў жерим,
Гүнам себепли сырқырайды сүйеклерим.
5Өйткени айыпларым басымнан асты,
Олар аўыр жүк болып, желкемди басты.

 

6Ақылсызлығым себепли,
Жараларым сасып, ириң басып кетти.
7Ийилип, еки бүкленип қалдым,
Күни бойы ғам шегип жүремен.
8От болып жанар мениң белим,
Денемде қалмады саў жерим.
9Диңкем қурып, пүткиллей езилдим,
Жүрегимниң сызлаўынан нала шегемен.

 

10Ийем, жүрегимдеги барлық қәлеўлеримди билесең,
Налаларым жасырын емесдур Сеннен.
11Жүрегим титирейди, күш-қуўатым кетти,
Көзлеримниң нуры пүткиллей сөнди.
12Дос-яранларым қашты жараларым себепли,
Жақынларым қасыма келмей қойды.
13Жаныма қас адамлар маған дузақ қурар,
Нийети жаўызлар маған өлим тилер,
Күни бойы маған қарсы ҳийле ойлап жүрер.

 

14Ал мен герең сыяқлы еситпеймен,
Тилсиз адамдай аўзымды ашпайман.
15Шынында да, мен гүңге уқсайман,
Тилинде жуўабы жоқ адамдайман.
16Үмитим Сенде, Жаратқан Ийе,
Сен жуўап бересең, Қудай Ийем!
17Саған дуўа етип, былай дедим:
«Жағдайымды көрип, душпанларым күлмесин,
Аяқларым сүрниккенде, өзлерин меннен үстин қоймасын!»

 

18Жығылайын деп турыппан,
Ашшы қайғымды ишиме жутып атырман.
19Жынаятларымды мойынлайман,
Гүналарым себепли қайғыраман.
20Ал душпанларым күшли ҳәм аман жүрипти,
Себепсиз мени жек көретуғынлар көбейип кетти.
21Олар жақсылығыма жаманлық қайтарар,
Ийгиликли ислерим ушын маған душпан болар.

 

22Мени таслап кетпе, Жаратқан Ийе!
Қудайым, меннен узақ болма!
23Маған жәрдем бериўге асық,
Қутқарыўшым, Ийем!

 

38

 

Атқарыўшылардың жетекшиси Едутунға. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Мен өзиме былай дедим:
«Атқан адымыма дыққат қылайын,
Тилимди гүнадан тыйып жүрейин,
Алдымда напәклер турса да,
Аўзыма қум қуйып қояйын».
3Тилимди тыйып, үнсизлик сақладым,
Ҳәтте, жақсы нәрсени айтыўдан бас тарттым.
Артып кетти мениң дәртим.
4Жүрегим оттай болып, лаўлап кетти,
Ойлаған сайын, кеўлим өртенди,
Мына сөзлер тилимнен төгилди:

 

5«Билдире гөр ақыбетимди, Жаратқан Ийе,
Қанша күнлерим қалғанын билдир,
Билейин өмиримниң қаншелли қысқа екенин!
6Қысқа өмир бергенсең маған,
Сениң нәзериңде ҳеш нәрседур өмирим,
Бир демдур ҳәр бир адамның өмири. Селаҳ

 

7Ҳәр бир адамның өмири саядай өтип кетер,
Адамзаттың ҳәрекети бийҳуда болар,
Мал-дүнья жыйнар,
Бирақ оның кимге қалатуғынын билмес.

 

8Мен енди не күтиўим мүмкин, Жаратқан Ийе?
Барлық үмитим Сеннен.
9Азат қыла гөр барлық жынаятларымнан,
Ақмақлардың үстимнен күлиўине жол қойма.
10Үнсизлик сақлайман, ашпайман аўзымды,
Себеби Сен иследиң буны.
11Жудырығыңды узақластыр меннен,
Сен берген соққылардан тамам болдым.
12Гүналары ушын адамзатты,
Жазалап, жолға саласаң.
Күйе жегендей, әзиз нәрселерин жоқ қыласаң,
Сөзсиз, адамзат бир демде өтип кетеди. Селаҳ

 

13Дуўамды есит, Жаратқан Ийе,
Қулақ сал жалбарыныўыма,
Көз жасларыма бийпәрўа болма!
Өйткени мен бир қонақпан алдыңда Сениң,
Ата-бабаларым сыяқлы келгиндимен.
14Қәҳәрли нәзериңди узақластыр меннен,
Бул дүньядан өтип кетпесимнен бурын шадланайын!»

 

39

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Сабыр етип күттим Жаратқан Ийени,
Ол маған бурылып, жалбарыныўымды еситти.
3Мени өлим шуқырынан,
Батпақлықтан шығарып алды.
Аяқларымды тастың үстине бастырды,
Қәдемлеримди беккемледи.
4Аўзыма жаңа бир қосық,
Қудайымызға арналған алғыс салды.
Көплер буны көрип, қорқар,
Жаратқан Ийеге үмит байлар.

 

5Қандай бахытлы Жаратқан Ийеге үмит байлаған,
Менмен ҳәм өтирикшилерге сүйенбейтуғын.
6Жаратқан Ийе, Қудайым,
Бизлер ушын әжайып ислериң ҳәм нийетлериң көпдур,
Ҳеш бир зат Саған тең келе алмас,
Буларды тилге алып, сөйлей басласам,
Көплигинен санап таўыса алмаспан.

 

7Сен қурбанлық ҳәм садақаларды қәлемедиң,
Жандырылатуғын ҳәм гүна қурбанлықларын талап қылмадың,
Бирақ бойсыныўым ушын қулақларымды аштың.
8Сонда мен былай дедим: «Мине, мен келдим,
Орама китапта мен ҳаққында жазылған.
9Сениң еркиңди орынлаўдан рәҳәтленемен, Қудайым,
Жүрегимниң төриндедур Сениң нызамың».

 

10Уллы жәмийетиңде әдиллигиңди жәрия қылдым,
Жаратқан Ийе, Өзиң билесең,
Тилимди ҳеш тыймадым.
11Әдиллигиңди ишиме сақламадым,
Исенимли екениңди ҳәм қутқарғаныңды жәрияладым,
Мийрим-шәпәәтиңди, садықлығыңды,
Уллы жәмийеттиң алдында сыр тутпадым.

 

12Жаратқан Ийе, реҳимиңди аяма меннен,
Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың мени мәңги қорғасын.
13Сансыз апатлар орап алды әтирапымды,
Гүналарым басыма жетти, көзим көрмейди,
Булар шашымнан көпдур,
Енди жүрексиз болып қалдым.

 

14Жаратқан Ийе, маған ыразы болып, қутқар мени!
Жәрдемге асық, Жаратқан Ийе!
15Жанымды алыўды қәлегенлер,
Шерменде болып, уятқа қалсын!
Маған жаўызлық ислеўди қәлеўшилер,
Масқара болып, кейнине қайтсын!
16«Ҳа, ҳа!» деп масқара қылыўшылар,
Шерменде болып, сасқалақлап қалсын.

 

17Сени излегенлердиң ҳәммеси,
Сен арқалы шадлық ҳәм қуўанышқа толсын.
Сениң қутқарыўыңды сүйгенлер:
«Жаратқан Ийе уллыдур!» деп бәрқулла айтып жүрсин.

 

18Мен бир жарлы ҳәм бийшара адамман,
Бирақ ғамхорлық қылар маған Ийем.
Жәрдемшим ҳәм қутқарыўшым Өзиңсең,
Кешикпе, Қудайым!

 

40

 

Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры.

 

 

 

2Қандай бахытлы жарлыны ойлайтуғын!
Апат күнинде оны Жаратқан Ийе қутқарар.
3Жаратқан Ийе оны қорғап, өмирин сақлар,
Ол елде бахытлы болар,
Душпанларының қолына тапсырылмас.
4Төсекке жатып қалғанында,
Жәрдем берер оған Жаратқан Ийе,
Оны кеселинен толық айықтырар.

 

5Мен: «Оҳ, Жаратқан Ийе, маған реҳим қыл,
Саған қарсы гүна қылдым, шыпа бер!» – дедим.
6Душпанларым жаўыз нийет пенен:
«Қашан өлип, аты өшер екен?» – дейди.
7Олар мени көриў ушын келгенде, жалған сөйлейди,
Ишинен өсек сөзлер тоқыйды,
Кейин сыртқа шығып, өсек тарқатады.

 

8Мени жек көретуғынлардың ҳәммеси,
Маған зыян тийгизиўди жобаластырады,
Биргеликте мен ҳаққында сыбырласып:
9«Аўыр кеселликке шалынған ол,
Енди тура алмас төсегинен», – дейди.
10Мениң нанымды жеген жақын достым,
Маған қарсы қол көтерди.

 

11Сен маған реҳим қыл, аяққа турғыз, Жаратқан Ийе,
Қылмысларына жараса, өзлерине қайтарайын.
12Душпанларым меннен үстин шықпаса,
Меннен кеўлиң толғанын билемен.
13Айыпсызлығым ушын мени аман сақлайсаң,
Мени дәргайыңда мәңги турғызасаң.

 

14Әзелден мәңгиге дейин,
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
Аўмийин! Аўмийин!

 

 

 

Сулайманның ҳикметлери

1

 

Ҳикметлердиң мақсети

 

1Булар Израилдың патшасы Даўыттың улы Сулайманның ҳикметлери:

 

 

2Бул ҳикметлердиң мақсети мынаў:
Даналықты ҳәм нәсиятты үйретиў,
Ақыллы сөзлерди түсиндириў;
3Туўры жасаў қағыйдаларын,
Әдиллик, әдалатлық ҳәм ҳадаллықты өзлестириў;
4Садаларға терең түсиник,
Өспиримлерге билим ҳәм сана бериў.

 

5Даналар тыңлап, билимине билим қосады,
Ақыллылар дана кеңес алады.
6Усылайынша олар нақыл ҳәм ҳикметлерди,
Данышпанлардың сөзлери менен жумбақларын түсинеди.

 

Азғырыўлардан сақ бол!

 

7Жаратқан Ийеден қорқыў – билимниң басы.
Тек ақылсызлар ғана даналық ҳәм нәсиятты жек көреди.
8Балам, әкеңниң нәсиятларына қулақ сал,
Анаң берген тәлимнен бас тартпа!
9Олар басыңа әжайып таж,
Мойныңа моншақ болады.
10Балам! Егер гүнакарлар сени азғырмақшы болса,
Оларға көнбе.
11Егер олар: «Бизлер менен жүр,
Қан төгиў ушын буққыда жатайық,
Себепсизден себепсиз бийгүнаны аңлыйық.
12Оларды өлилер мәканы киби тирилей,
Туңғыйыққа түскенлер киби пүтинлей жутайық.
13Барлық қымбатбаҳа затларын алайық,
Үйлеримизди олжаға толтырайық.
14Бизлер менен тәўекелге бел байла,
Бар байлығымыз ортақ болады», – десе,
15Балам, олар менен жолдас болма,
Олардың жолынан аўлақ бол!
16Себеби олардың аяқлары жаўызлыққа талпынар,
Қан төгиўге асығар.
17Ҳәтте, қуслар да,
Көз алдында қурылған торға түспес.
18Ал сол адамлар өз қанын төгиў ушын буққыда жатады,
Өзлериниң жанын өзлери аңлыйды.
19Ҳарам табысқа қумардың ақыбети сондай болады,
Сол қумарлық ҳарам табыс ийесиниң басын жалмайды.

 

Даналықты тыңла!

 

20Даналық көшелерде жар салып,
Майданларда даўыслап бақырады.
21Шаўқымлы көшениң басында қышқырып,
Қала дәрўазаларының кирер аўзында өз сөзин айтады:
22«Ҳәй, садалар! Садалығыңызды қашанға дейин сүймекшисиз?
Өзимшиллер қашанға дейин мазақлаўдан заўық алады?
Ақмақлар қашанға шекем билимди жек көреди?
23Қәне, мениң әшкаралағанымнан дүзелсеңиз еди!
Сизлерди руўхыма толтырып,
Сөзлеримди билдирер едим.
24Сизлерди шақырдым, мени тыңлаўдан бас тарттыңыз,
Қолымды создым, нәзер аўдарған болмады.
25Сизлер мениң барлық кеңеслеримди менсинбедиңиз,
Мениң әшкаралаўларымды қабыл етпедиңиз.
26Соның ушын мен де апатқа ушырағаныңызда, үстиңизден күлемен,
Ҳүрейиңиз ушқанда, мазақ қыламан.
27Қорқыныш даўылдай бастырып келгенде,
Апатшылық қуйындай дүбегенде,
Қайғы ҳәм ҳәсирет басыңызға түскенде,
28Мени шақырасыз, мен де жуўап бермеймен,
Мени излейсиз, бирақ таппайсыз.
29Өйткени сизлер билимди жек көрдиңиз,
Жаратқан Ийеден қорқыўды мақул көрмедиңиз.
30Кеңеслеримди қабыл қылмадыңыз,
Әшкаралаўларымды көзге илмедиңиз.
31Соның ушын, тутқан жолыңыздың ашшы мийўелерин жеп,
Өз сумлықларыңызға тойынасызлар.
32Себеби саданың өжетлиги өзин өлтиреди,
Ақмақтың бийғамлығы оны қуртады.
33Ал мени тыңлағанлар қәўипсиз жасап,
Жаманлықтан қорқпай, тыныш болады».

 

2

 

Даналықтың қәдири

 

1Балам! Егер сен сөзлеримди қабыл қылып,
Буйрықларымды ишиңде сақласаң,
2Даналыққа қулақ түрип,
Түсиникке жүрегиңди ашсаң,
3Егер ақыл-парасатты шақырып,
Түсиникке даўыслап жалбарынсаң,
4Оны гүмис киби излеп,
Көмилген ғәзийне киби ақтарсаң,
5Сонда сен Жаратқан Ийеден қорқыўдың не екенин түсинип,
Қудайдың ким екенин билесең.
6Себеби даналықты Жаратқан Ийе берер,
Билим ҳәм түсиник Оның аўзынан шығар.
7Ол ҳақлар ушын табыс сыйлап,
Минсизлер ушын қалқан болар.
8Ол әдалатлық жолларын қорып,
Өзине садықлардың жолларын қорғар.
9Сонда сен әдиллик ҳәм әдалатлықты уғып,
Ҳадал ҳәм туўры жолдың не екенин түсинерсең.
10Себеби жүрегиң даналыққа толып,
Кеўлиң билимнен заўық алар.
11Ақыл-парасат сени аман сақлап,
Дурыс түсиник сени қорғар.
12Даналық сени жаўызлардың жолынан,
Жалған сөйлеўшилерден,
13Қараңғылық жолынан жүриў ушын,
Туўры жолды таслап кеткенлерден,
14Жаманлық ислеп қуўанып,
Жаўызлықтың бузғынлығынан ләззет алатуғынлардан,
15Терис жолға түсип,
Өз жолларынан адасқанлардан сақлар.

 

16Даналық сени бузық ҳаялдан,
Жезөкше ҳаялдың майлы тилинен сақлар.
17Ол жаслай қосылған күйеўин таслап кеткен,
Ҳәм Қудайдың алдында дүзген келисимин умытқан.
18Өйткени оның үйи өлимге,
Жоллары өлилер алдына алып барады.
19Оған барғанлар қайтып келмес,
Өмир жолына қайта түспес.
20Сонлықтан жақсылардың жолынан жүр,
Әдиллердиң жолын беккем тут.
21Себеби ҳақлар жер бетин мәкан қылар,
Минсизлер сол жерде қалар.
22Жаманлар жер бетинен қырып тасланар,
Опасызлар түп-тамыры менен жоқ қылынар.

 

3

 

Жасларға мәсләҳәт

 

1Балам, үйреткенлеримди умытпа,
Буйрықларымды жүрегиңде сақла!
2Өйткени олар өмир жасыңды узайтып,
Мол тынышлық сыйлайды.
3Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ҳасла сени тәрк етпесин,
Оларды мойныңа тағып,
Жүрегиңе ойып жазып қой.
4Сонда Қудайдың ҳәм адамлардың нәзеринде,
Мийрим ҳәм абырайға ийе боласаң.
5Шын жүректен Жаратқан Ийеге исен,
Өз ақыл-парасатыңа сүйенип жүрме.
6Ислеген ҳәр бир исиңде Жаратқан Ийени танып бил,
Ол сениң жолларыңды туўрылап турар.
7Өзиңди данышпанман деп санама,
Жаратқан Ийеден қорқ, жаманлықтан аўлақ жүр.
8Бул денеңе саламатлық,
Сүйеклериңе азық болады.
9Мал-мүлкиңнен ҳәм ҳәмме зүрәәтиңниң дәслепки өниминен берип,
Жаратқан Ийеге ҳүрмет көрсет.
10Сонда телеклериң дәнге толып-тасар,
Искенжелериң таза шарапқа толар.
11Балам, Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама,
Ол әшкаралағанда аўыр алма.
12Себеби әке жақсы көрген улын жазалағаны сыяқлы,
Жаратқан Ийе де кимди сүйсе, соны әшкаралайды.

 

Даналықтың қуны

 

13Даналықты тапқан,
Түсиникке ийе болған адам қандай бахытлы!
14Өйткени даналық гүмистен қунлырақ,
Оның пайдасы алтыннан да жоқары.
15Даналық ҳасыл тастан да қымбат,
Қумартқан ҳеш бир нәрсең оған тең келмес.
16Узақ өмир оның оң қолында,
Байлық ҳәм даңқ сол қолында.
17Даналықтың жоллары жағымлы жоллар,
Оның барлық соқпақлары тынышлыққа апарар.
18Оны ийелеген адам ушын даналық өмир тереги,
Оны беккем услаған қандай бахытлы!

 

19Жаратқан Ийе даналық пенен жердиң тийкарын салды,
Түсиник пенен көклерди беккем орнатты.
20Оның билими менен туңғыйықтың көзлери ашылды,
Бултлар шық түсирди.
21Балам! Саў пикир ҳәм дурыс түсиникти сақла,
Оларды нәзериңнен қашырма.
22Олар жаныңа өмир,
Мойныңа әжайып моншақ болады.
23Сонда өмир жолыңда қәўипсиз жүрерсең,
Аяқларың да сүрникпес.
24Жатқаныңда қорқпассаң,
Уйықлағаныңда уйқың тыныш болар.
25Тосаттан болатуғын апаттан,
Наҳақлардың басына түсетуғын бәледен қорқпассаң.
26Себеби Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып,
Аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды.

 

27Қолыңнан келетуғын ўақытта,
Мүтәжлерден жәрдемиңди аяма.
28Қолыңда бар бола тура жақыныңа:
«Ертең кел, сонда беремен», – деме.
29Бийғам жаныңда жасап атырған қоңсыңа,
Жаманлық ойлама.
30Өзиңе жаманлық қылмаған адам менен,
Себепсиз жәнжеллеспе.
31Зорлық ислеўшиге ҳәўес қылма,
Оның жолларының бирде биреўин таңлама.
32Себеби Жаратқан Ийе азғынлардан жеркенеди,
Ҳақ адамға жақын болады.
33Жаратқан Ийе залымның үйин нәлетлейди,
Әдиллердиң мәканын жарылқайды.
34Ол мазақ етиўшилердиң өзлерин мазақ қылады,
Кишипейиллерге мийрим көрсетеди.
35Даналар даңқ-атақты,
Ақылсызлар шерменделикти мийрас етип алады.

 

4

 

Даналықтың артықмашлығы

 

1Балаларым, әкеңиздиң нәсиятларына қулақ салың!
Ақыл-парасатты ийелеўге итибар бериң.
2Мен сизлерге жақсы тәлим беремен,
Үйреткенлеримнен жүз бурмаңлар.
3Мен де әкемниң үйинде бала болдым,
Көзиниң қарасы, анамның жалғызы едим.
4Әкем маған үйретип, былай дер еди:
«Сөзлеримди жүрегиңе беккем жайла,
Буйрықларымды орынла, сонда жақсы жасайсаң.
5Даналықты ҳәм ақыл-парасатты ийеле,
Сөзлеримди умытпа, олардан жүз бурма.
6Даналықтан айырылма, ол сени қорғайды,
Оны сүй, ол сени аман сақлайды.
7Ең баслысы – даналық, даналықты ийеле,
Бар ийелигиңди берип болса да, ақылға ийе бол.
8Оны жоқары баҳала, ол сени мәртебели қылады,
Оған жабысып алсаң, ол сени абырайға еристиреди.
9Даналық басыңа әжайып гүл шеңбер,
Саўлатлы бир таж кийдиреди».

 

10Балам, тыңла ҳәм сөзлеримди қабыл ет,
Сонда өмир жасың узақ болады.
11Мен саған даналық жолын үйреттим,
Сени туўры соқпақлардан жетеледим.
12Жүргениңде, адымың тосқынлыққа ушырамайды,
Жуўырғаныңда сүрникпейсең.
13Нәсиятыма беккем әмел қыл, оннан айырылма,
Оны сақла, себеби ол – сениң өмириң.
14Наҳақлардың соқпағынан,
Жаўызлардың жолынан жүрме.
15Оннан бас тарт, ол жолдан жүре гөрме,
Оннан аўлақ болып, бурылып кет.
16Өйткени олар жаўызлық ислемесе, уйықлай алмайды,
Биреўди қулатпаса, уйқысы қашады.
17Олар нызамсызлық арқалы нан жеп,
Жаўызлық арқалы шарап ишеди.
18Әдилдиң жолы таң шуғласына уқсайды,
Ол түске дейин жарқыраған сайын жарқырайды.
19Залымның жолы түнекке уқсайды,
Олар неге сүрнигип қулайтуғынын билмейди.
20Балам, сөзлериме дыққат қой,
Айтқанларыма қулақ түр.
21Сөзлеримди нәзериңнен қашырма,
Оларды жүрек төринде сақла.
22Себеби олар, өзин тапқанларға өмир сыйлайды,
Пүткил денеге ден саўлық береди.
23Ең баслысы, бар күшиң менен жүрегиңди қорға,
Өйткени ол өмир булағы.
24Аўзыңнан жалған сөз шықпасын,
Тилиңди өтирик сөзден тый.
25Көзлериң алға туўры қарасын,
Нәзериң алдыға тигилген болсын.
26Қәдемиңди ойлап бас,
Пүткил жолларың беккем болсын.
27Оңға да, солға да қайырылма,
Аяғыңды жаўызлықтан аўлақ тут.

 

5

 

Неке ҳадаллығын бузыўға қарсы ескертиў

 

1Балам, даналығыма итибар бер,
Мен түсинген нәрселерге қулақ сал.
2Солай етсең, сана-сезимиң жоғалмас,
Аўзың билимди сақлап қалар.

 

3Бузық ҳаялдың аўзынан пал тамар,
Сөзлери майдан да жумсақ болар.
4Бирақ оның ақыбети жуўсандай ашшы,
Еки жүзли қылыштай өткир.
5Аяқлары өлимге түсип барар,
Қәдемлери өлилер мәканына қарай жетелер.
6Өмир жолы туўралы ол ойламас,
Қыйсық жол менен жүргенин аңғармас.

 

7Солай екен, балаларым, мени тыңлаңлар,
Айтқан сөзлеримнен бас тартпаңлар!
8Ондай ҳаялдан аўлақ бол,
Оның есигине де жолама.
9Болмаса, абырайыңды басқаларға,
Өмириңди тас баўырға бересең.
10Байлығыңнан басқалар рәҳәтленип,
Мийнетиң басқа үйди байытады.
11Етиң сүйегиңе тақалып, өмириң ақырлағанда,
Аҳ шегип, былай деп пәрияд қыларсаң:
12«Мен неге нәсиятты жек көрдим?
Неге жүрегим ескертиўди писент етпеди?
13Муғаллимлеримди тыңламадым,
Устазларыма қулақ аспадым.
14Сонлықтан мен жыйналған жәмийеттиң алдында,
Ийт масқара болайын деп қалыппан!»
15Суўды өз суў сақлағышыңнан,
Өз қудығыңнан шыққан суўдан иш.
16Булақларың көше бойлап,
Ағын суўларың майданларды бойлап ақсын ба?
17Олар тек өзиңдики болсын,
Басқалар менен бөлиспе.
18Булағың берекетли болсын,
Жаслай қосылған қостарыңнан ләззет ал.
19Ол сүйкимли суўын, нәзик кийикке уқсайды.
Оның көкирегине бәрқулла қанаат етип,
Бәрқулла муҳаббатынан ләззет ал.
20Балам, саған тийисли емес ҳаялдан ләззет алыўдың,
Басқаның геўдесин қушыўдың не кереги бар?
21Адамның жоллары Жаратқан Ийениң көз алдында,
Ол оның барлық адымларын бақлап турады.
22Залымның айыплы ислери оның өзин дузаққа түсиреди,
Ол өз гүналарына шырмалып қалады.
23Ол тәрбиясызлықтан өлип кетеди,
Ақмақлығы оны жолдан шығарады.

 

6

 

Ақмақлық қылыўдан сақ бол!

 

1Балам, егер биреў ушын кепил болып,
Оның қарызын мойныңа алсаң,
2Онда сен сөзиңнен тутылып,
Өз сөзиңниң қармағына илингениң.
3Яғный, сол адамның қолына түскениң.
Балам, оннан қутылыў ушын былай қыл:
Бар да, аяғына жығыл, жалын.
4Көзиңе уйқы берме,
Кирпик илме.
5Аңшыдан қашқан жейран киби,
Қус аўлаўшыдан қашқан қус киби, өзиңди қутқар.

 

6Ҳәй ериншек, қумырысқаның жанына бар,
Оның ислерине қарап, даналық үйрен.
7Оның баслығы да, қадағалаўшысы да,
Ҳүкимдары да жоқ.
8Бирақ ол жазда өз азығын таярлайды,
Жыйын-терим ўақтында аўқатын жыйнайды.
9Ҳәй ериншек! Қашанға дейин жатпақшысаң?
Қашан уйқыңнан оянасаң?
10Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң,
Гейде қол қаўсырып, жатып та алсаң,
11Тонаўшыдай болып жоқшылық жетип келер,
Қарақшыдай болып мүтәжлик бас салар.

 

12Оңбаған ҳәм залым адам жалған сөйлеп жүрер,
13Көзлерин қыпылықлатар,
Аяқлары менен белги берип,
Бармақлары менен ишарат қылар,
14Жүрегиндеги ҳийле менен жаўыз нийет қылып,
Бәрқулла жәнжел туўдырар.
15Сонлықтан апат оған тосаттан келер,
Күтилмегенде, шарасыз шыл-пәрше болар.
16Жаратқан Ийе жек көретуғын алты нәрсе,
Ҳәтте, Ол жеркенетуғын жети нәрсе бар:
17Менмен көз, жалған сөйлеўши тил,
Айыпсыз қан төгетуғын қоллар,
18Жаўыз нийетли жүрек,
Жаўызлыққа асығатуғын аяқлар,
19Өтирик сөйлейтуғын жалған гүўа,
Туўысқанлар арасына от салыўшы адам.

 

Неке ҳадаллығын бузыўға қарсы және бир ескертиў

 

20Балам, әкеңниң буйрығын есте сақла,
Анаң берген тәрбиядан бас тартпа!
21Оларды бәрқулла жүрегиңе түйип,
Мойныңа байлап жүр.
22Жүргениңде, олар сени жетелер,
Уйықлағаныңда, олар сени қорғап турар,
Оянғаныңда, олар саған кеңес берер.
23Себеби бул буйрықлар – шыра, нәсиятлар – нур.
Дүзетиўши тәрбия – өмирге жол.
24Олар сени жүўенсиз ҳаялдан,
Бузық ҳаялдың майлы тилинен қорғайды.
25Оның сулыўлығын жүрегиң қумартпасын,
Көзин сүзип сени айландырып алмасын.
26Жезөкше себепли нанға зар боласаң,
Ал күйеўи бар ҳаял себепли өмириңнен айырыласаң.
27Адам қойынға от салар да,
Кийимин өртемес пе?
28Шоқ үстинде жүрер де,
Аяғын күйдирмес пе?
29Басқаның ҳаялы менен жатқанға да солай болады,
Оған жақынлаған жазасыз қалмайды.
30Ашлық себепли тек қарнын тойдырыў ушын урлық қылса,
Адамлар оны жек көрмейди.
31Бирақ усланса, жети есе қылып төлейди,
Ҳәтте, үйиндеги барлық мал-мүлкин бериўи мүмкин.
32Бузықшылық қылған – есиўас,
Солай ислеген өз жанын набыт қылар.
33Ол таяқ жеп, масқара болар,
Шерменделиктен мәңгиге тазалана алмас.
34Себеби қызғаныштан күйеўин ашыў кернер,
Өш алғанда аяўды билмес.
35Ҳеш қандай төлемди қабыл етпес,
Не берсең де, алыўды қәлемес.

 

7

 

1Балам, сөзлеримди есиңде тут,
Буйрықларымды жүрегиңде сақла.
2Буйрықларыма әмел қыл, сонда жақсы жасайсаң,
Нәсиятымды көз қарашығындай асыра.
3Оларды жүзик киби бармағыңа тағып ал,
Жүрегиңе ойып жазып қой.
4Даналыққа: «Сен мениң апамсаң», – деп айт,
Түсиникти туўысқаным, деп ата.
5Олар сени бузық ҳаялдан,
Жезөкше ҳаялдың майлы тилинен қорғайды.

 

6Бир күни үйимниң әйнегинен,
Терезеден сыртқа қарадым.
7Сада жаслардың арасында,
Ақылы толмаған жас жигитти көрип қалдым.
8Ол көшени ҳаял жасайтуғын мүйешке жақын жерден кесип өтип,
Сол ҳаялдың үйине апаратуғын жол менен кетти.
9Бул ымырт жабылған кешки ўақыт болып,
Түнги қараңғылық шөккен еди.
10Сонда бузықлар сыяқлы кийинген ҳийлекер ҳаял,
Алдынан шығып, жигитти күтип алды.
11Ол үйинде турмайтуғын,
Ўайрақы ҳәм жүўенсиз болып,
12Биресе көшеде, биресе майданда,
Мүйешлерде жигитлерди аўлап турады.
13Ол жигитти услап алып, сүйди,
Бети бүлк етпей оған былай деди:
14«Бүгин татыўлық қурбанлығын берип,
Берген ўәдемди орынладым.
15Сонлықтан сени күтип алыўға шықтым,
Сени излеп, мине, таўып та алдым!
16Түрли реңли Мысыр таўарларынан,
Төсегимди қаплап, төседим.
17Жатақ жайыма хош ийисли мирра,
Алоэ ҳәм кассия септим.
18Қәне кел, таң атқанша, муҳаббат ләззетин татып,
Оннан рәҳәтленейик.
19Себеби үйде күйеўим жоқ,
Ол алыс сапарға кетти.
20Ол гүмис толы шыжланын да алып кетти,
Ай толғанша қайтып келмейди».
21Ҳаял жыллы сөзлер менен жигитти айландырып,
Майлы тили менен жолдан урды.
22Сол ўақытта-ақ, жигит оған ерип кетти.
Жигит сойылыўға баратырған буғаға,
Дузаққа аяқ басып атырған суўынға уқсар еди.
23Оқ баўырын тесип өтпегенше,
Дузаққа тасланған қус сыяқлы,
Өлимге баратырғанын билмес еди.

 

24Солай екен, балалар, мени тыңлаңлар,
Айтқан сөзлериме қулақ салыңлар!
25Жүрегиңиз сондай ҳаялдың жолына бурылмасын,
Оның соқпақлары бойлап адасып жүрмеңлер.
26Себеби ол көплерди жарадар етип жықты,
Сансыз адамлар оның қолынан қаза тапты.
27Оның үйи өлилер мәканына жетелейтуғын,
Өлимге алып түсетуғын жол.

 

8

 

Даналықты тыңла!

 

1Шақырып атырған Даналық емес пе?
Даўыслап турған түсиник емес пе?
2Ол жол шетиндеги бәлентликлердиң үстинде,
Дәрбент жолларда турады.
3Ол қала дәрўазаларының алдында,
Қалаға кирер аўызда турып жар салады:
4«Ҳәй адамлар, мен сизлерди шақырып турман,
Шақырығым адам баласына қаратылған!
5Садалар, узақты көриўди үйрениң,
Ақмақлар, түсиникке ийе болың!
6Тыңлаңлар, әҳмийетли нәрселерди айтпақшыман,
Ҳақыйқатты баян етпекшимен.
7Тилим ҳақыйқатты сөйлейди,
Аўзым жалғаннан жеркенеди.
8Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөз ҳақыйқат,
Онда ҳийле ҳәм жалған жоқ.
9Саналыға барлығы аян,
Билимлиге бәри дурыс.
10Гүмисти емес, мениң нәсиятымды ал,
Сап алтын орнына билим ал.
11Себеби даналық гәўҳардан да қымбат,
Аңсаған ҳеш нәрсең оған тең келмес.

 

12Мен – Даналықпан, Ақыл-парасат пенен бирге жасайман,
Билим ҳәм сана-сезим менде бар.
13Жаратқан Ийеден қорқыў – жаманлықтан жеркениў.
Мен менменлик ҳәм тәкаббирликти,
Жаўызлық жолын ҳәм өтирик сөзди жек көремен.
14Менде жақсы кеңес бар, менде ҳадал үгит бар,
Мен түсиникпен, күш-қуўат та менде бар.
15Мен арқалы патшалар бийлик етер,
Ҳүкимдарлар әдил ҳүким шығарар.
16Жер бетиндеги барлық ҳүкимдарлар,
Әдил басқарып отырған ҳәмме ақсүйеклер мен арқалы басқарар.
17Мени сүйгенлерди мен де сүйемен,
Мени ықлас пенен излегенлер, мени табады.
18Менде байлық ҳәм даңқ-атақ бар,
Таўысылмас байлық ҳәм әдалат менде бар.
19Беретуғын жемисим алтыннан, сап алтыннан да жақсы,
Мен беретуғын пайда сайланды гүмистен де жоқары.
20Мен әдиллик жолынан,
Әдалат соқпақларынан жүремен.
21Мени сүйгенлерге байлық сыйлап,
Олардың қазналарын толтыраман.

 

22Жаратқан Ийе Өз исин басламастан алдын,
Өз жолының басы ретинде мени жаратты.
23Ең баста, дүнья жаратылмастан алдын,
Мен тайынланған едим.
24Еле түпсиз теңиз де болмаған,
Мол суўлы булақлар да көз ашпаған ўақытта,
Мен туўылған едим.
25Еле таўлар орнатылмастан алдын,
Төбелерден де бурын мен туўылдым.
26Ол ўақытта Ол еле жерди де, далаларды да,
Дүньяның биринши топырағын да жаратқан жоқ еди.
27Ол аспанды орнатқанда,
Терең теңиз жүзине жийек сызғанда, мен сол жерде едим.
28Жоқарыға бултларды қойғанда,
Жер асты булақларына тийкар салғанда,
29Суўлар шегарадан шығып кетпесин деп,
Теңизге көрсетпе бергенде,
Жердиң тийкарын белгилегенде,
30Мен Оның жанында уста болдым.
Ҳәр күни Оны қуўантып,
Оның алдында шадланар едим.
31Ол жаратқан дүньяда кеўлимди көтерер едим,
Адам баласы мениң қуўанышым еди.

 

32Солай екен, балаларым, мени тыңлаңлар,
Жолымды тутқанлар қандай бахытлы!
33Нәсиятымды тыңлап, дана болыңлар,
Ҳеш қашан оннан жүз бурмаңлар!
34Маған қулақ асатуғын,
Ҳәр күни дәрўазам алдында сергек турып,
Есигим алдында күтип турған адам қандай бахытлы!
35Себеби мени тапқан өмирди табады,
Жаратқан Ийениң мийримине ериседи.
36Ал Мени қолдан шығарған өзине зыян келтиреди,
Мени жек көретуғынлардың ҳәммеси өлимди сүйеди».

 

9

 

Даналықтың ҳәм ақмақлықтың мирәт етиўи

 

1Даналық өзине үй қурып алды,
Оның жети сүтинин жонып қойды.
2Ол малларын сойып, шарап таярлап,
Дастурхан жайды.
3Ол өз хызметши ҳаялларын жоллап,
Қаланың бийик жерлеринде жар салдырды:
4«Ким сада болса, берман келсин!»
Ал ақыл-еси кемлерге былай деди:
5«Келиңлер, нанымнан жеп,
Мен таярлаған шараптан ишиңлер.
6Наданлықты таслап, жасаңлар,
Ақыл-парасаттың жолынан жүриңлер».

 

7Өзимшилге нәсият берген масқара болар,
Залымды әшкаралағанға мин тағылар.
8Өзимшилди әшкаралама, ол сени жек көрип қалар,
Дананы әшкарала, ол сени сүйип қалар.
9Данаға үйрет, ол және де данарақ болар,
Әдилге тәлим бер, ол билимин арттырар.
10Жаратқан Ийеден қорқыў – бул даналықтың басы,
Мухаддес Қудайды таныў – бул ақыл-парасат.
11Себеби мен – даналық арқалы өмириң узаяр,
Жасыңа жас қосылар.
12Егер дана болсаң, өзиңе пайда,
Сурбет болсаң, жәбирин өзиң тартарсаң.

 

13Ақмақлық – ғаўғалы ҳаял,
Ол надан, ҳеш нәрсени билмейди.
14Ол үйиниң есиги алдында,
Қаланың бийик жеринде отырып алып,
15Жолдан өтип баратырғанларды,
Өз жолы менен кетип баратырғанларды шақырып:
16«Ким сада болса, берман келсин!» – дейди.
Ал жарымеслилерге былай дейди:
17«Урлап ишилген суў жүдә татлы,
Жасырып желинген нан сондай мазалы».
18Бирақ садалар билмейди бурын шақырылғанлардың,
Өлилер мәканының түбинде өлип жатырғанын.

 

10

 

Сулайманның ҳикметли сөзлери

 

1Сулайманның дана ҳикметлери:
Дана перзент әкесиниң қуўанышы,
Ақылсыз перзент анасының қайғысы.
2Ҳарам байлық пайда келтирмес,
Ал әдиллик өлимнен қутқарар.
3Жаратқан Ийе әдил адамды аш қоймас,
Залымлардың қәлеўиниң орынланыўына жол қоймас.
4Ериншек қол жарлы қылар,
Мийнеткеш қол байлық келтирер.
5Жазда өним жыйнаған – ақыллы бала,
Жыйын-терим ўақтында уйықлаған бала әкесин уятқа қалдырар.
6Әдил адамның басына берекет жаўар,
Залымның аўзы зорлықты жасырар.
7Әдиллер ыразылық пенен еске алынар,
Залымлардың аты умыт болып кетер.
8Дананың жүреги буйрықларды қабыл етер,
Ақмақтың тили апатқа жетелер.
9Ҳадал жүрген қәўипсиз жүрер,
Ал өз жолын надурыс тәрепке бурған әшкара болар.
10Көз қысқан адам апатқа жолығар,
Өтирик сөйлеген набыт болар.
11Әдилдиң аўзы – өмир булағы,
Ал залымның аўзы зорлықты жасырар.
12Өшпенлилик жәнжел туўдырар,
Сүйиспеншилик барлық қылмысларды жуўып кетер.
13Ақыллы адамның аўзынан даналық төгилер,
Ес-ақылы кем адамның арқасына қамшы тийер.
14Даналар билимди сақлап қояр,
Ақылсыздың аўзы бәлени жақынластырар.
15Байдың байлығы – оның қорғаны,
Жарлының апаты – оның кәмбағаллығы.
16Әдилдиң мийнети өмирге,
Залымның табысы гүнаға апарар.
17Нәсиятты алғанлар өмир жолында жүрер,
Әшкаралағанды тән алмағанлар жолдан азғырылар.
18Қаслығын жасырғанның тили жалғаншы,
Өсек таратқан адам ақылсыз.
19Көп сөйлеген қылмыссыз болмас,
Тилин тыйған – ақыллы.
20Әдилдиң тили – сайланды гүмис,
Залымның жүреги ҳеш нәрсеге арзымас.
21Әдилдиң тили көплерди азықландырар,
Ақмақ ақылы жетпегенликтен набыт болар.
22Жаратқан Ийениң жарылқаўы адамды байытар,
Ол байлыққа ғам-қайғыны қоспас.
23Ақылсыз жаманлық қылыўдан,
Түсинимпаз даналықтан ләззет алар.
24Залым неден қорқса, соған тап болар,
Әдил адамлардың әрманы орынланар.
25Қуйын турып, залымлар жоқ болар,
Әдиллер мәңги беккем турар.
26Ериншек өзин жумсағанлар ушын,
Тиске қуйылған сирке суўына,
Көзге кирген түтинге мегзер.
27Жаратқан Ийеден қорқыў өмирди узайтар,
Ал залымлардың өмири қысқарар.
28Әдилдиң дәмеси шадлыққа жетелер,
Залымның үмити пушқа шығар.
29Жаратқан Ийе жолы минсизлерге қорған,
Жаўызлық ислеўшилерге апатшылық болады.
30Әдил адам мәңгиге шайқалмас,
Залым адам жер бетинде тура алмас.
31Әдилдиң аўзы даналықтан сөйлер,
Ал жалғаншының тили кесип тасланар.
32Әдилдиң тили мүнәсип сөзлерди билер,
Залымның аўзы өтирик сөзлер шығарар.

 

11

 

1Жаратқан Ийе жалған тәрезиден жеркенер,
Дурыс тәрезиге Оның кеўли толар.
2Менменлик келсе, масқарашылық та келер,
Кишипейиллилер даналық пенен бирге болар.
3Ҳақ нийетлиниң минсизлиги оған жол көрсетер,
Опасыздың сумлығы өзиниң басына жетер.
4Ғәзеп күни байлық пайда бермес,
Әдиллик өлимнен қутқарар.
5Минсиздиң әдиллиги оның жолын дүзиў қылар,
Залым залымлығы себепли қулап түсер.
6Ҳақ нийетлини әдиллиги қутқарар,
Опасызлар өз нәпсиниң торына түсер.
7Залым адам өлгенде, үмити де үзилер,
Сүйенген байлығы да пайдасыз болар.
8Әдил адам бәледен қутылар,
Оның орнына залым сол бәлеге дуўшар болар.
9Қудайсыз жақынын тили менен жоқ қылар,
Әдиллер өз билими менен аман қалар.
10Әдиллер жайнап-жаснаса, қала қуўанар,
Залымлар қуласа, қуўаныш пенен бақырысар.
11Ҳақ адамлардың ақ пәтиясы менен қала раўажланар,
Залымлардың аўзы менен ол ўайран болар.
12Ақылсыз жақынын кемситер,
Ақыллы аўзына бек болып жүрер.
13Өсек тасыған сырды ашар,
Садық адам сырды сақлар.
14Қәўендерсиз ел қулар,
Кеңесшиси көп ел жеңер.
15Басқаға кепил болған бәлеге жолығар,
Кепил болыўдан қашқан қәўипсизликте болар.
16Мийримли ҳаял абырайға ерисер,
Тас баўыр еркек байлыққа ийе болар.
17Мийримли адам өз жанына жақсылық қылар,
Тас баўыр өзине зыян келтирер.
18Залым алдамшы сый ушын мийнет етер,
Әдиллик себиўши ҳақыйқый сый алар.
19Әдилликти устанған жасар,
Жаўызлыққа умтылған өлер.
20Ҳийлекер жүрекли Жаратқан Ийеге жеркенишли,
Ал минсиз жүргенге кеўли толар.
21Билип қой, залым жазасыз қалмас,
Әдилдиң әўлады аман қалар.
22Сулыў, бирақ әдепсиз ҳаял,
Шошқаның мурнына тағылған алтын әребекке мегзер.
23Әдиллердиң тилеги тек жақсылық,
Ал залымлардың күткени – ғәзеп.
24Биреў сақыйлық пенен шашар, сонда да байлығы арта берер,
Биреў ҳәдден тыс сақ, бирақ жарлылана берер.
25Сақый болған молшылыққа ерисер,
Шөллегенге суў бергенге суў берилер.
26Бийдайды жасырғанды халық нәлетлер,
Оны сатқанға пәтия берилер.
27Жақсылыққа талпынған берекет табар,
Жаўызлықты излегенге жаўызлық келер.
28Өз байлығына исенген қулар,
Әдиллер болса жасыл жапырақтай жайнап өсер.
29Хожалығын азапқа қалдырған самалды мийрас етип алар,
Ақылсыз данаға қул болар.
30Әдилдиң мийўеси – өмир тереги,
Дана адамларды өзине тартар.
31Егер әдил адамға жер бетинде исине сай қайтарылса,
Онда залымлар менен гүнакарларға сирә да жаза берилер.

 

12

 

1Нәсиятты сүйген билимди сүйер,
Ескертиўди жек көрген – надан.
2Ақ кеўил адамға Жаратқан Ийениң кеўли толар,
Нийети бузықты жазаға ҳүким қылар.
3Адам жаўызлық пенен кәмал таппас,
Әдилдиң негизи тербелмес.
4Жақсы ҳаял – күйеўиниң тажы,
Күйеўин уятқа қалдыратуғын ҳаял – сүйегиндеги ириңли жара.
5Әдилдиң ой-нийети әдалатлы,
Залымның кеңеси алдамшы.
6Залымның сөзи – қан төгиў ушын дузақ,
Ҳақ адамның сөзи қан төгилиўден қутқарар.
7Залым қулап, жоқ болар,
Әдилдиң үйи беккем турар.
8Адамды ақылына қарап мақтар,
Нийети бузық кемситилер.
9Нанға зар бола тура, көкирек көтерип жүргеннен,
Қарапайым болып, хызметши болған жақсырақ.
10Әдил өз малының да жанын аяр,
Залымның реҳими де жаўызлық.
11Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ,
Бос арзыў-қыялға берилгенниң ақылы жоқ.
12Залым адам жаўыз адамның олжасын күсер,
Әдилдиң тамыры ен жаяр.
13Залым гүналы тили себепли тутылар,
Әдил бәледен шығып кетер.
14Адам сөзиниң мийўесинен жақсылыққа ерисер,
Қолларының мийнети де өз ҳақысын алар.
15Ақылсыздың жолы өз көзине дурыс болып көринер,
Дана адам мәсләҳәтке қулақ салар.
16Ақылсыздың ашыўы дәрриў бетине шығар,
Ақыллы шеккен жәбирин жасырар.
17Туўрышыл гүўа ҳақыйқатты,
Жалған гүўа өтирикти айтар.
18Ойланбай айтылған сөз қылыштай жарақатлар,
Дананың сөзи шыпа берер.
19Ырас сөйлейтуғын тил мәңги турар,
Өтирикши тил тек бир сәтлик.
20Жаман нийетлилердиң жүрегинде жалған,
Тынышлықты нийет еткенниң жүрегинде шадлық бар.
21Ҳақ адамға ҳеш қандай бәле келмес,
Наҳақтың басы бәледен шықпас.
22Өтирикши тил Жаратқан Ийеге жеркенишли,
Туўры ис ислейтуғынларға Оның кеўли толар.
23Ақыллы адам билимин жасырар,
Ақмақтың жүреги наданлығын жәрия қылар.
24Мийнеткеш қол бийлик қылар,
Ериншек мәрдикарға алынар.
25Жүректеги уўайым адамды шөктирер,
Жақсы сөз оны қуўантар.
26Ҳақ адам жақынына жол көрсетер,
Наҳақ адамның жолы оларды адастырар.
27Ериншек тутқан аңын писирип жемес,
Талапшаң қымбатбаҳа байлыққа ийе болар.
28Әдиллик жолында өмир бар,
Оның соқпақларында өлим жоқ.

 

13

 

1Ақыллы перзент әкесиниң нәсиятына қулақ салар,
Өзимшил перзент кейигенге қулақ аспас.
2Жақсы адам аўзының мийўесинен жақсылық татар,
Опасызлар жаўызлыққа талпынар.
3Тилин тыйған өз өмирин сақлап қалар,
Тилине ерк берген өзин набыт қылар,
4Ериншек қәлесе де, ҳеш нәрсе ала алмас,
Талапшаңның тилеги ақырына дейин орынланар.
5Әдил адам өтирик сөзди жек көрер,
Залым уятсызлық қылып, өзиниң абырайын төгер.
6Әдиллик минсизди жолында қорғар,
Залымлық гүнакарды қулатар.
7Биреў ҳеш нәрсеси болмаса да, өзин бай қылып көрсетер,
Басқасы байлығы мол болса да, өзин жарлы қылып көрсетер.
8Байлығы менен адам өз жанын сатып алар,
Жарлы болса қәўип-қәтерден аўлақ болар.
9Әдиллердиң нуры жарқырап жайнап турар,
Залымлардың шырасы да өшип қалар.
10Менменлик даў-жәнжел келтирип шығарар,
Кеңеске қулақ салғанларда даналық болар.
11Аңсат табылған байлық тез таўысылар,
Мийнет пенен жыйнаған байлығын көбейтер.
12Узақ ўақыт орынланбаған үмит жүректи түңилдирер,
Орынланған тилек болса, өмир терегине уқсар.
13Нәсиятты менсинбеген өзине зыян келтирер,
Буйрықларды ҳүрмет еткен сый алар.
14Даналар тәлими – өмир булағы,
Ол адамды өлим дузағынан аўлақ қылар.
15Жақсы ақыл унамлы қылар,
Опасыздың өмири ўайран болар.
16Ҳәр қандай ақыллы адам билим менен ис тутар,
Ақылсыз өзиниң ақмақлығын көрсетер.
17Жаман шабарман апатқа ушырар,
Садық елши шыпа алып келер.
18Нәсиятқа қулақ салмаған жоқшылық пенен шерменделикке ушырар,
Ескертиўди қабыл еткенлер ҳүрмет-иззетке бөленер.
19Орынланған тилек жанға жағымлы,
Ақылсыз жаманлықтан ўаз кешиўди жек көрер.
20Дана менен дос болған дана болар,
Ақылсыз бенен дос болған апатқа ушырар.
21Бахытсызлық гүнакарды қуўып жүрер,
Абаданлық әдиллердиң сыйы болар.
22Жақсы адам ақлық-шаўлықларына да мийрас қалдырар,
Гүнакарлардың байлығы әдиллер ушын жыйналар.
23Жарлының атызы да мол бийдай бериўи мүмкин,
Бирақ әдалатсызлық себепли ўайран болар.
24Жазалаўға аяған баласын сүймейди,
Баласын сүйген балалықтан тәрбиялайды.
25Әдил тойғанша жер,
Залымның қарны аш жүрер.

 

14

 

1Дана ҳаял үйин жайнатар,
Ақылсыз ҳаял оны өз қолы менен бузар.
2Туўры жолдан жүретуғын Жаратқан Ийеден қорқатуғын,
Жолдан шыққан Оны менсинбейтуғын адам.
3Ақмақтың сөзи арқасына қамшы болар,
Дананың сөзи оны қорғар.
4Өгиз болмаса, ақыр таза турар,
Өгиздиң күшинен мол пайда алынар.
5Исенимли гүўа өтирик сөйлемес,
Жалған гүўаның өтириги таўысылмас.
6Өзимшил даналық излер, бирақ таба алмас,
Ақыллыға билим аңсат табылар.
7Ақмақтан аўлақ жүр,
Билимли сөз шықпас оның аўзынан.
8Парасатлы адамның даналығы – өз жолын түсиниўи,
Ақылсыздың ақмақлығы – алдамшылық.
9Ақмақлар айып қурбанлығы үстинен күлер,
Ҳақ адамлар Қудайдың мийримине сазыўар болар.
10Ҳәр кимниң қайғысы өзине аян,
Қуўанышын да ҳеш ким бөлисе алмас.
11Залымның үйи бузылар,
Ҳақ адамның шатыры гүллене берер.
12Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер,
Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
13Гейде күлгенде де жүрегиң сызлар,
Қуўаныш та гейде қайғы менен жуўмақланар.
14Азғын адам тутқан жолының,
Жақсы адам ислеген исиниң сыйын алар.
15Сада ҳәмме сөзге исене берер,
Ақыллы адымын ойлап басар.
16Дана қорқып, жаманлықтан аўлақ болар,
Ақылсыз өзин басқара алмас ҳәм өзине исенер.
17Ашыўшақ ақылсызлық қылар,
Нийети бузықты ҳәмме жек көрер.
18Саданың несийбесине ақмақлық тийер,
Ақыллы билимди таж қылар.
19Жаўызлар жақсылар алдында,
Залымлар әдиллердиң дәрўазасы алдында тәжим етер.
20Кәмбағалды қоңсылары да жақсы көрмес,
Байлардың досты көп болар.
21Жақынын кемситкен гүна қылар,
Жарлыға мийрим көрсеткен бахытлы болар.
22Нийети бузықлар жолдан адаспай ма?
Бирақ жақсы нийетлилер сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа ийе болар.
23Ҳәр қандай мийнеттиң пайдасы бар,
Бос сөз тек жоқшылық келтирер.
24Даналардың тажы – олардың байлығы,
Ақылсызлардың тажы – ақмақлығы.
25Әдил гүўа жанды қутқарар,
Жалған гүўа сатқынлық қылар.
26Жаратқан Ийеден қорқыў – беккем қорған,
Оның балаларына да пана болар.
27Жаратқан Ийеден қорқыў – өмирдиң булағы,
Ол өлим дузағынан қутқарар.
28Халықтың көплиги – патшаның уллылығы,
Халықтың азлығы – ҳүкимдардың апаты.
29Сабыр-тақатлы адамда уллы ақыл бар,
Ашыўшақ өз ақмақлығын мәлим қылар.
30Тыныш жүрек денеге өмир берер,
Қызғаншақлық сүйеклерди ширитер.
31Жарлыны езген Жаратқанға тил тийгизген болар,
Мүтәжге жәрдем берген Жаратқанды ҳүрмет еткен болар.
32Залым өз жаўызлығы себепли жоқ болар,
Әдиллерге өлеринде де пана табылар.
33Даналық ақыллының жүрегине орналасар,
Ҳәтте, ақмақлардың жүреги де оны таныйды.
34Әдиллик халықтың дәрежесин көтерер,
Нызамсызлық халықты масқара етер.
35Патшаға ақыллы хызметши унар,
Шерменде ис қылғанға оның ғәзеби жаўар.

 

15

 

1Мүләйим жуўап ашыўды басар,
Ашшы сөз ғәзепти қозғар.
2Дананың тили билимди мақтар,
Ақылсыздың аўзынан ақмақлық ағар.
3Жаратқан Ийениң көзи ҳәмме жерде,
Ол жаманды да, жақсыны да көрип турар.
4Мүләйим тил – өмир тереги,
Өтирикши тил – жанды жаралар.
5Ақмақ әкесиниң тәрбиясынан безер,
Ескертиўге қулақ асқан ақыл-парасатлы.
6Әдилдиң үйинде мол ғәзийне болар,
Залымның тапқаны машқала алып келер.
7Дананың аўзы билим таратар,
Ақмақтың жүреги ондай емес.
8Наҳақтың қурбанлығынан Жаратқан Ийе жеркенер,
Ҳақ адамның дуўасы Оған унар.
9Залымның жолынан Жаратқан Ийе жеркенер,
Әдиллик изинен жүргенди Ол сүйер.
10Туўры жолдан адасқанлар аўыр жаза алар,
Ескертиўди жек көргенлер набыт болар.
11Өлилер мәканы ҳәм набыт болыў мәканы Жаратқан Ийеге аян екен,
Демек, адам баласының жүреги Оған олардан да аянырақ!
12Өзимшил өзин әшкаралағанды унатпас,
Ол дананың қасына да жоламас.
13Жүректиң қуўанышы жүзди жарқыратар,
Жүректиң қайғысы руўхты сөндирер.
14Ақыллының жүреги билимди излер,
Ақылсыздың аўзы ақмақлыққа тойынар.
15Бахытсыздың ҳәр бир күни қайғыдан арылмас,
Жүреги қуўанышлының зыяпаты ада болмас.
16Көп байлық пенен тәшиўиште жасағаннан гөре,
Аз байлық пенен Жаратқан Ийеден қорқып жасаған абзалырақ.
17Жек көрип берилген семиз баспақ гөшинен гөре,
Сүйиспеншилик пенен берилген быламық жақсырақ.
18Ашыўшақ жәнжел туўдырар,
Сабыр-тақатлы даўды басар.
19Ериншектиң жолы шатлы тикенге уқсар,
Ҳақ адамның жолы тегис болар.
20Дана бала әкесин қуўантар,
Ақмақ бала анасын писент етпес.
21Ақмақлық ақылсызды қуўандырар,
Ақыллы адам туўры жолдан жүрер.
22Кеңеспей исленген ис босқа шығар,
Көп мәсләҳәтшиниң ой-нийети иске асар.
23Орынлы жуўап адамды қуўантар,
Ўақтында айтылған сөз әжайып болар!
24Төмендеги өлилер мәканына түспеўи ушын,
Ақыллыны өмир жолы жоқарыға жетелер.
25Жаратқан Ийе тәкаббирдиң үйин қулатар,
Жесирдиң жер шегарасын сақлап қалар.
26Залым нийетлер Жаратқан Ийеге жеркенер,
Жақсы сөзлер – пәк.
27Ашкөз өз үйине апат келтирер,
Параны жек көрген тыныш өмир сүрер.
28Әдил ойлап жуўап берер,
Залымның аўзы жаўызлық қусар.
29Жаратқан Ийе залымлардан алыс болар,
Әдиллердиң дуўасын еситер.
30Нурлы жүз жүректи қуўантар,
Жақсы хабар сүйекке азық берер.
31Өмир беретуғын дүзетиўге қулақ салған,
Даналар арасынан орын табар.
32Нәсияттан жүз бурған өз жанын хор қылар,
Ескертиўге қулақ салған ақылға ийе болар.
33Жаратқан Ийеден қорқыў даналыққа үйретер,
Кишипейиллик даңққа баслар.

 

16

 

1Адам жоба дүзер,
Бирақ бул жобаның жуўабын Жаратқан Ийе берер.
2Адамға ҳәмме жоллары ҳадал болып көринер,
Бирақ ой-нийетти Жаратқан Ийе өлшер.
3Ислериңди Жаратқан Ийеге тапсыр,
Сонда нийетиң жүзеге асар.
4Жаратқан Ийе ҳәмме нәрсени олардың өзлериниң мақсетине сай жаратты,
Ҳәтте, залымларды да апатшылық күни ушын жаратты.
5Ҳәр бир тәкаббир Жаратқан Ийе ушын жеркенишли,
Гүмансыз, олар жазасыз қалмайды.
6Сүйиспеншилик ҳәм садықлық гүнаны жуўар,
Жаратқан Ийеден қорқыў жаўызлықтан аўлақ қылар.
7Адамның жолы Жаратқан Ийеге мақул болса,
Ол оны душпанлары менен де жарастырар.
8Ҳарам жол менен кирген мол пайдадан гөре,
Ҳадал жол менен кирген азғантай пайда жақсырақ.
9Жүрер жолын адам жүрегинде ойлап қояр,
Бирақ Жаратқан Ийе оның адымларын бағдарлар.
10Патша Қудайдың атынан сөйлейди,
Ол ҳүким қылғанда әдилликти бурмаламаўы тийис.
11Туўры тәрези ҳәм тәрезиниң пәллелери Жаратқан Ийеден берилер,
Барлық тәрези таслары Ол арқалы жаратылған.
12Патша жаўызлықтан жеркенер,
Себеби тахт әдиллик арқалы беккем болар.
13Әдил тил патшаға унар,
Ҳақыйқатты айтқанды ол сүйер.
14Патшаның ғәзеби – өлим хабаршысы,
Бирақ дана адам оны тынышландырар.
15Патшаның жүзи нурланса – өмирден нышан,
Оның мийрими бәҳәрдеги жаўын алып келетуғын бултқа мегзер.
16Даналыққа ийе болыў алтыннан қаншелли жақсырақ,
Ақылға ийе болыў гүмистен қаншелли қунлырақ.
17Ҳақ адамның жолы жаўызлықтан аўлақ қылар,
Жолын қорғаған өз жанын аман сақлар.
18Ўайран болыўдан алдын менменлик,
Қулаўдан алдын тәкаббирлик келер.
19Менменлер менен олжа бөлискеннен,
Жарлылар арасында кишипейил болған жақсырақ.
20Ақыл менен ис алып барған жақсылық табар,
Жаратқан Ийеден үмит еткен бахытлы болар!
21Жүреги даналар парасатлы делинер,
Жағымлы тил тәлим күшин арттырар.
22Ақыл ийеси ушын – өмир булағы,
Ақмақлық ақмақ ушын – жаза.
23Дананың жүреги оның сөзин дана қылып,
Аўзындағы тәлимин арттырар.
24Жағымлы сөз палдай татлы,
Жанға жағымлы, денеге шыпалы.
25Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер,
Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
26Адамның иштейи оған мийнет еттирер,
Ашлығы оны мәжбүр етер.
27Оңбаған адам жаманлық ойлар,
Оның сөзи жалмайтуғын жалынға мегзер.
28Ҳийлекер адам жәнжел туўдырар,
Өсекши досларды айырар.
29Зорлық ислеўши жақынын азғырар,
Оны жаман жолға баслар.
30Көзин сүзип қараған ҳийле ойлар,
Ернин тислеген жаўызлық ислер.
31Ағарған шаш – ҳүрметли таж,
Туўры жасаған оны қазанар.
32Сабырлы адам мәрт әскерден,
Өзин услай алатуғын адам басқыншыдан артық.
33Кийимниң шалғайына шек тасланар,
Оның шешими Жаратқан Ийеден берилер.

 

17

 

1Дастурханы мол ҳәм зыяпаты көп жәнжелли үйден,
Бир тислем қатты наны бар тыныш-татыў үй жақсырақ.
2Уят ис қылатуғын улды ақыллы қул басқарар,
Ол туўысқанлар қатарында мийрасқа шерик болар.
3Гүмис балқытыўханада, алтын ошақта сыналар,
Адамның жүрегин Жаратқан Ийе сынар.
4Залым жаўыздың сөзине дыққат қояр,
Өтирикши бүлгинши тилге қулақ салар.
5Кәмбағалды мазақ қылған Жаратқанды хорлаған болар,
Бахытсызлыққа қуўанған жазасыз қалмас.
6Ақлықлар – қариялар тажы,
Ата-аналар – балалар мақтанышы.
7Төрели сөз ақмаққа жараспағаны сыяқлы,
Өтирик сөз де ҳүкимдарға жараспас.
8Бериўшиниң нәзеринде пара сыйқырлы тасқа уқсар,
Не қылса да иси табыслы болар.
9Қәтени кеширген дослықты сақлар,
Оны қайта-қайта еслей берген достын бездирер.
10Ақылсызға берилген жүз дүрреден гөре,
Ақыллыға берилген бир кейис тәсирлирек.
11Жаман адам тек бүлгиншиликти гөзлер,
Сонлықтан оған қарсы залым периште жиберилер.
12Ақмақтың ақмақлығына тап болғанша,
Баласынан айырылған ана айыўға тап болған жақсырақ.
13Жақсылыққа жаманлық қылғанның,
Үйинен жаманлық арымас.
14Жәнжелдиң басланыўы жыққын суўға уқсар,
Жәнжелди күшейместен бурын тоқтат.
15Наҳақты ақлаў ҳәм ҳақты айыплаў –
Екеўи де Жаратқан Ийеге жеркенишли.
16Ақылсыздың қолындағы ғәзийнеден не пайда?
Даналықты ийелеўге оның қәлеўи жоқ ғой!
17Дос ҳәрдайым сүйеди,
Туўысқан да қайғыны бөлисиў ушын туўылған.
18Ақылы кем қол берип,
Қоңсысы ушын кепил болар.
19Гүнаны жақсы көрген жәнжелди сүйер,
Дәрўазасын бийик қурған қулаўды излер.
20Ҳийлекер жүрек жақсылық таппас,
Өтирикши тил бәлеге жолығар.
21Ақылсыз бала туўған адамның маңлайының соры,
Ақмақтың әкеси қуўаныштың не екенин билмес.
22Қуўанышлы жүрек шыпа бағышлаўшы дәри,
Езилген руўх сүйекти қуўратар.
23Әдалат жолын бурмалаў ушын,
Залым жасырын пара алар.
24Ақыллы адам нәзерин даналықтан қашырмас,
Ақмақтың көзи жер түбин шарлар.
25Ақмақ бала әкеси ушын қайғы,
Анасы ушын ғам келтирер.
26Айыпсызды жазалаў,
Ҳасылзаданы ҳадаллығы ушын урыў жақсы емес.
27Билимли адам тилин жылаўлар,
Парасатлы адам суўыққан болар.
28Ақмақ та үндемесе дана саналар,
Аўзына ийелик қылса, парасатлы болып көринер.

 

18

 

1Саяқ адам қара басын ойлар,
Барлық саў пикирге қарсы шығар.
2Ақмақ түсиниўди жек көрер,
Ол өз ойын билдириўди хош көрер.
3Залым өзи менен кемситиўшилик,
Бийабырайлық өзи менен масқарашылық алып келер.
4Адамның аўзынан шыққан сөзлер терең суўларға,
Даналық булағы ағын суўға мегзер.
5Ҳүкимде залымды жақлап,
Айыпсызды наҳаққа шығарыў жақсы емес.
6Ақмақтың тили жәнжел туўдырар,
Аўзы менен дүррени шақырар.
7Ақылсыздың аўзы өзине әжел,
Оның тили болса, жанына дузақ болар.
8Өсекшиниң сөзи сондай татлы,
Олар адамның жан дүньясына кирип алар.
9Өз жумысына немқурайды болыў –
Бузғыншының туўысқаны.
10Жаратқан Ийениң аты – беккем минара,
Әдил оған қашып, бас саўғалар.
11Байлардың байлығы олардың беккем қаласы,
Өз қыялына бийик дийўалдай көринер.
12Қулар алдынан адамның жүреги тәкаббирленер,
Ҳүрметтен алдын кишипейиллик келер.
13Тыңламай жуўап бериў,
Ақмақлық ҳәм уятсызлық.
14Адамның дәртине руўхы төзим берер,
Бирақ езилген руўхқа ким шыдам берер?
15Ақыллының жүреги билимди ийелер,
Дананың қулағы билимди излер.
16Сый бериў адамға жол ашар,
Ҳүрметли адамлар алдына дейин апарар.
17Қарсыласы келип, оған сораў қойып тексермегенше,
Биринши болып даўласқан ҳақ болып көринер.
18Шек таслаў даўды тоқтатар,
Күшли қарсыласлардың даўын шешер.
19Өкпели туўысқан бекитилген қалаға,
Арасындағы даў болса, қорған қала дәрўазасының тәмбисине уқсар.
20Адам аўзының жемисинен қарнын,
Тилиниң өниминен өзин тойдырар.
21Өлим ҳәм өмир тилдиң ықтыярында,
Тил не сөйлесе, соның жемисинен дәм татар.
22Үйленген берекет табар,
Жаратқан Ийениң мийримине ерисер.
23Жарлы жалынып сөйлер,
Бай турпайы жуўап берер.
24Дослар бар, өзин дос қылып көрсеткен,
Бирақ шын дос та бар, туўысқаннан да жақын.

 

19

 

1Жалған тилли ақмақтан,
Минсиз жүрген жарлы жақсы.
2Билимсиз умтылыс жақсы емес,
Асыққан жолдан жаңылысар.
3Өз ақмақлығы адамның жолын бузар,
Ал оның жүреги Жаратқанға наразы болар.
4Байлық досларды молайтар,
Жарлыны досты да таслап кетер.
5Жалған гүўа жазасыз қалмас,
Өтирик сөйлеген қутыла алмас.
6Көплер жомарт адамның мийримине түсиўди қәлер,
Қолы ашыққа ҳәмме дос болар.
7Жарлыны туўысқанлары да жек көрер,
Дослары да оннан соншелли безип кетер,
Сөйлесиў ушын излесе де, оларды таба алмас.
8Даналыққа ерискен өз жанын сүйер,
Ақыл-парасатқа кеўил қойған жақсылық табар.
9Жалған гүўа жазасыз қалмас,
Өтирикши тири қалмас.
10Салтанатлы өмир ақмаққа жараспағаны сыяқлы,
Баслықларға бийлик етиў қулға сирә дә жараспас.
11Ақыл адамның ғәзебин тыяр,
Қәтени кешириў оған ҳүрмет келтирер.
12Патшаның ғәзеби арысланның ақырыўына уқсар,
Ал оның мийрими шөпке түскен шыққа уқсар.
13Ақылсыз бала әкесиниң басына бәле болар,
Урысқақ ҳаял тоқтамай таматуғын суўға уқсар.
14Үй ҳәм байлық – ата-анадан мийрас,
Ақыллы ҳаял – Жаратқан Ийеден сый.
15Қосжақпаслық адамды қатты уйқышы қылар,
Ериншек аш қалар.
16Буйрықларды орынлаған өмирин сақлар,
Өз жолына итибар бермеген набыт болар.
17Жарлыға мийрим көрсетиў – Жаратқан Ийеге қарыз бергендей болар,
Ислеген жақсылығының есесин Жаратқан Ийе қайтарар.
18Үмит барда балаңды жөнге сал,
Оның өлиўине айыплы болма.
19Ашыўшақ жазасын алсын,
Егер қутқарсаң, оны және де жазалаўға туўры келеди.
20Келешекте дана болыўың ушын,
Кеңести тыңлап, нәсиятты қабыл ет.
21Адам жүрегинде нийет көп,
Бирақ тек Жаратқан Ийениң мақсети әмелге асар.
22Адамның қәлеўи – садықлық,
Жарлы болыў өтирикши болыўдан жақсырақ.
23Жаратқан Ийеден қорқыў өмирге жетелер,
Ол тыныш ҳәм машқаласыз жасар.
24Ериншек табаққа қол салар,
Бирақ аўзына апарыўға еринер.
25Өзимшилди жазаласаң, садалар ақылға кирер,
Егер ақыллыны әшкараласаң, ол соннан сабақ алар.
26Әкесин тонап, анасын қуўған бала,
Шерменделик ҳәм иснат келтирер.
27Балам, нәсиятты тыңлаўды тоқтатқаның,
Бул билимли сөзлерден бас тартқаның.
28Жарамас гүўа әдалатлық үстинен күлер,
Залымлардың аўзы жаманлықты жалмап жутар.
29Өзимшиллер ушын ҳүким таяр,
Ақмақтың арқасына дүрре таяр.

 

20

 

1Шарап – мазақлаўшы, өткир ишимлик – жәнжелкеш,
Оларды ишип алданған ҳәр бир адам ақылсыз.
2Патшаның қәҳәри арысланның ақырғанына уқсар,
Оның қәҳәрин келтирген өмири менен жуўап берер.
3Жәнжелден аўлақ болыў адамға абырай келтирер,
Барлық ақмақлар жәнжелге асығар.
4Ериншек ўақтында жер сүрмес,
Жыйын ўақтында ҳеш нәрсе таппас.
5Адамның ой-пикири терең суўға мегзер,
Ақыллы адам оларды тереңнен илип шығарар.
6Көплер өзин садықпан дер,
Бирақ ҳақыйқаттан исенимли адамды ким таба алар?
7Әдил минсиз жасар,
Изиндеги балалары бахытлы болар!
8Патша ҳүким гүрсисинде отырғанда,
Көзлери менен барлық жаўызлықты ажыратар.
9Ким: «Мениң жүрегим таза,
Ҳадал ҳәм гүнасызбан», – деп айта алар.
10Надурыс тәрези ҳәм надурыс таслар,
Екеўи де Жаратқан Ийеге жеркенишли.
11Ҳәтте, бала да исинен билинер,
Оның тазалығы да, дурыслығы да ҳәрекетинен аян болар.
12Еситетуғын қулақты, көретуғын көзди,
Екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
13Уйқышыл болма, жоқшылыққа ушырарсаң,
Қырағы бол, наның мол болар.
14Сатып алыўшы: «Жарамсыз нәрсе», – дер,
Былай шығып, арзан алғанына мақтанар.
15Алтын бар, қымбатбаҳа тас та мол,
Билимли тил – таптырмайтуғын ҳасыл тасқа мегзер.
16Бийтанысқа кепил болғанның кийимин шешип ал,
Оны басқаға кепил болғаны ушын гиреўге услап тур.
17Ҳийле менен табылған нан мазалы,
Бирақ кейин аўыз толған қумға айланар.
18Мәсләҳәт пенен жобалар дүз,
Дана кеңес пенен урысқа шық.
19Өсек тасыған сырыңды ашар,
Аўзы бос пенен қатнас қылма.
20Ата-анасын ғарғағанның,
Қойыў қараңғылықта өмир шырағы сөнер.
21Басында тез қолға киргизилген мийрастың,
Ақыры берекетли болмас.
22«Жаманлық ушын өш аламан», – деме,
Жаратқан Ийеге тапсырып күт, Ол сени қутқарар.
23Надурыс өлшем таслары Жаратқан Ийеге жеркенишли,
Надурыс тәрези де жақсы емес.
24Адамның адымларын Жаратқан Ийе белгилер,
Солай екен, адам өз жолын қалай түсинсин?
25Асығыс ўәде етип, атаў,
Атап болып, ойланыў,
Бул – адам ушын дузақ.
26Ақыллы патша наҳақларды ажыратып,
Олардың үстинен түйек айдайды.
27Адамның руўхы – Жаратқан Ийениң шырағы,
Ол адам қәлбиниң тереңликлерин изертлер.
28Мийрим-шәпәәт ҳәм садықлық патшаны қорғар,
Мийрим менен ол тахтын беккем қылар.
29Жаслардың мақтанышы – олардың күш-қуўаты,
Жасы үлкенлердиң абырайы – олардың ақ шашлары.
30Таяқтан қалған жарақат жаўызлықтан тазартар,
Таяқтың зардабы ишки дүньяны пәклер.

 

21

 

1Патшаның жүреги Жаратқан Ийениң қолындағы суў ағысына уқсар,
Ол патшаны қәлеген жағына бағытлар.
2Өз жолының ҳәммеси адамға туўры болып көринер,
Бирақ Жаратқан Ийе жүректи тексерер.
3Әдиллик ҳәм әдалатлықты сақлаў,
Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бергеннен унамлырақ.
4Тәкаббир нәзер ҳәм менмен жүрек,
Залымлардың шырағы ҳәм гүнасы.
5Мийнеткеш адамның ой-нийети молшылық алып келер,
Асығыслардың бәри жоқшылыққа ушырар.
6Жалған тил менен жыйналған байлық,
Жоқ болып кететуғын пуў ҳәм өлим дузағы.
7Залымлардың зулымлығы өзин жоқ қылар,
Себеби олар әдалатлы ис тутыўдан бас тартар.
8Айыплының жолы қыйсық,
Айыпсыздың ис-ҳәрекети туўры.
9Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан,
Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.
10Залымның кеўли жаўызлыққа қумар,
Жақыны да оннан реҳим таппас.
11Өзимшилге жаза берилсе, садаға ақыл кирер,
Дана тәлим алса, билими артар.
12Әдил Қудай залымның үйин бақлар,
Залымларды набыт қылар.
13Жарлының пәриядына қулақ салмаған,
Өзи пәрияд қылғанда жуўап ала алмас.
14Жасырын берилген саўға ғәзепти,
Қойынға тығып берилген пара күшли қәҳәрди басар.
15Әдалат жүзеге асса, әдиллер қуўанар,
Ал жаўызлық қылыўшыларды қорқыныш бийлер.
16Ақыллылық жолынан узақласқан,
Өлилер жыйынына орналасар.
17Заўқы-сапаны сүйген жарлыланар,
Шарапты ҳәм бөтеке майды сүйген байымас.
18Залым әдилдиң,
Бийопа ҳақтың төлеми болар.
19Урысқақ ҳәм кекшил ҳаял менен жасағаннан,
Шөлде жасаған жақсырақ.
20Дананың үйи қымбатбаҳа ғәзийне ҳәм майға толар,
Ақылсыз барын шашар.
21Әдиллик ҳәм мийрим излеген адам,
Өмир, әдалат ҳәм ҳүрметке ийе болар.
22Дана адам күшлилердиң қаласына кирер,
Олар исенген қорғанды тас-талқан қылар.
23Аўзына ҳәм тилине бек болған,
Жанын апаттан сақлар.
24Өркөкирек ҳәм тәкаббирди өзимшил деп атар,
Ол аса менменлик пенен ҳәрекет етер.
25Ериншекти қумарлығы өлтирер,
Себеби қоллары жумыстан бас тартар.
26Ол күн бойы ашкөзлик пенен алыўды гөзлер,
Бирақ әдил аямай берер.
27Залымның қурбанлығы – жеркенишли,
Әсиресе, жаўыз ой менен берсе, оннан да жаман.
28Жалған гүўа набыт болар,
Ҳәммесин еситкенниң гүўалығы өтер.
29Залым жүзин исенимли қылып көрсетер,
Ҳақ адам өз жолында беккем турар.
30Жаратқан Ийеге қарсы туратуғын,
Даналық та, түсиник те, кеңес те жоқ.
31Ат саўаш күни ушын тайынланар,
Бирақ жеңис Жаратқан Ийеден берилер.

 

22

 

1Жақсы атақ үлкен байлықтан жақсы,
Жақсы ат-абырай гүмис ҳәм алтыннан жақсы.
2Бай ҳәм жарлының ортақлығы мынада:
Олар екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
3Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар,
Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
4Кишипейиллик ҳәм Жаратқан Ийеден қорқыў ушын берилетуғын сый –
Байлық, даңқ ҳәм өмир.
5Азғынның жолы тикен ҳәм дузаққа толы,
Жанын сақламақшы болған оннан аўлақ жүрсин.
6Баланы жастан туўры жолға сал,
Ол қартайғанда да оннан таймайды.
7Байлар жарлыларға үстемлик қылар,
Қарыздар қарыз бергенге қул болар.
8Нызамсызлық еккен апат орар,
Оның ғәзеп қамшысы сынар.
9Сақый адам берекет табар,
Өйткени өз нанын жарлылар менен бөлисер.
10Өзимшилди қуўсаң, жәнжел де кетер,
Даў ҳәм кейис те тоқтар.
11Жүрек пәклигин сүйетуғын ҳәм жағымлы сөйлейтуғын адамға,
Патша дос болар.
12Жаратқан Ийениң нәзери билимди қорғар,
Опасыздың сөзлерин Ол жоққа шығарар.
13Ериншек: «Далада арыслан бар!
Майдан ортасында мени өлтиреди!» – дер.
14Бузық ҳаялдың аўзы түпсиз шуқырға мегзер,
Жаратқан Ийе кимге ғәзепленсе, ол сол шуқырға қулар.
15Ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар,
Тәрбиялаўшы қамшы оны соннан арылтар.
16Байыў ушын жарлыға жәбир көрсететуғын,
Байға сый беретуғын адам кәмбағалласады.

 

Даналардың отыз нәсияты

 

17Даналардың сөзлерин қулақ түрип тыңла,
Беретуғын билимиме жүрегиңди аш.
18Оларды жүрегиңде сақласаң,
Ҳәм олар сениң тиллериңде болса, жақсы болады.
19Исенимиңди Жаратқан Ийеге артыўың ушын,
Бүгин буларды саған, аўа, саған үйретип атырман.
20Мәсләҳәт ҳәм билим менен,
Саған отыз нәсият жазбаған ба едим?
21Бул исенимли ҳақыйқат сөзлерин үйрениўиң,
Сени жибергенге дурыс жуўап бере алыўың ушын жазылған емес пе еди?

 

Биринши нәсият

 

22Жарлыны жарлылығы себепли тонама,
Бахытсызды дәрўаза алдында ҳүким қылғанда қыйнама.
23Себеби олардың исин Жаратқан Ийе жақлар,
Оларды тонағанлардың жанын алар.

 

Екинши нәсият

 

24Ашыўшақ адам менен дос болма,
Қызба адам менен жолдас болма.
25Болмаса, сен де оған еликлерсең,
Жаныңды дузаққа түсирерсең.

 

Үшинши нәсият

 

26Қол берип,
Басқаның қарызына кепил болатуғынлардың бири болма.
27Төлеў ушын ҳеш нәрсең болмаса,
Төсегиңди де астыңнан тартып алар.

 

Төртинши нәсият

 

28Ата-бабаларың қойып кеткен,
Ески шегара белгисин жылжытпа.

 

Бесинши нәсият

 

29Өз кәсибиниң маманы болған адамды көрдиң бе?
Ол патшаларға хызмет етер,
Әпиўайы адамларға хызмет етпес.

 

23

 

Алтыншы нәсият

 

1Ҳүкимдар менен дастурханлас болғаныңда,
Алдыңдағыларға дыққат пенен нәзер сал,
2Егер қулқыныңды тыя алмасаң,
Аўзыңды буўып қой.
3Оның дәмли тағамларын кеўлиң күсемесин,
Ол ҳийле менен берилген болыўы мүмкин.

 

Жетинши нәсият

 

4Бай болыў ушын өзиңди зорықтырма,
Бул ойыңды шығарып таслайтуғын даналыққа ийе бол.
5Байлық көз ашып жумғанша жоқ болар,
Қанат байлап, бүркит киби аспанға ушып кетер.

 

Сегизинши нәсият

 

6Иши тардың үйинен ас ишпе,
Оның мазалы тағамларын да күсеме.
7Себеби ол жеген ҳәр бир нәрсеңди есаплап турар,
«Иш, же», – дер саған, бирақ жүреги буны қәлемес.
8Жеген аз-маз нәрсеңди қусып тасларсаң,
Айтқан жақсы сөзлериң де босқа кетер.

 

Тоғызыншы нәсият

 

9Ақмаққа сөз айтпа,
Ол сениң дана сөзлериңди менсинбейди.

 

Оныншы нәсият

 

10Ески шегара белгисин жылжытпа,
Жетимниң атызына қол салма.
11Себеби олардың Әменгери күшли,
Ол саған қарсы шығып, олардың исин жақлар.

 

Он биринши нәсият

 

12Жүрегиңди тәлимге,
Қулағыңды билимли сөзлерге бер.

 

Он екинши нәсият

 

13Баланы тәрбиясыз қалдырма,
Оны қамшы менен жазаласаң да, өлмейди.
14Оны қамшы менен жазала,
Жанын өлилер мәканынан қутқарарсаң.

 

Он үшинши нәсият

 

15Балам, егер жүрегиң дана болса,
Мениң жүрегим де шадланар.
16Аўзың дурыс сөйлесе,
Қәлбим шадланар.

 

Он төртинши нәсият

 

17Жүрегиң гүнакарларға ҳәўес қылмасын,
Бәрқулла Жаратқан Ийеден қорқып жаса.
18Сонда келешегиң болатуғыны гүмансыз,
Үмитиң де босқа шықпас.

 

Он бесинши нәсият

 

19Тыңла балам, дана бол,
Жүрегиңди туўры жолға бағытла.
20Мәскүнем ҳәм гөшке тоймайтуғынлар арасында болма.
21Себеби мәскүнем ҳәм ашкөз адам жарлыланар,
Уйқышылық адамға жыртық кийим кийгизер.

 

Он алтыншы нәсият

 

22Сени дүньяға келтирген әкеңе қулақ сал,
Қартайғанында анаңды менсинбей жүрме.
23Ҳақыйқатты сатып ал, оны сатпа,
Даналық, тәлим ҳәм ақылға ийе бол.
24Әдилдиң әкеси шадланады,
Дана баласы бар әке ол ушын қуўанады.
25Әкең ҳәм анаң қуўансын,
Сени туўған қатты шадлансын!

 

Он жетинши нәсият

 

26Балам, жүрегиңди маған бағышла,
Көзлериң мен жүрген жолда болсын.
27Себеби бузық ҳаял – терең шуқыр,
Өзгениң ҳаялы – тар қудық.
28Ол қарақшыдай буққыда күтер,
Бийопа еркектиң санын көбейтер.

 

Он сегизинши нәсият

 

29Аҳ шеккен ким? Дад салған ким?
Кимде жәнжел? Кимде шағым?
Кимге себепсиз көк түскен?
Кимниң көзлери қызарған?
30Буның бәри шарап ишип көп отыратуғынларда,
Аралас шарапларды татып көриўге барғанларда болар.
31Шараптың қызарғанына,
Кеседе таўланып турыўына,
Жумсақ жутылыўына қарама!
32Ақыбетинде ол жылан киби шағар,
Сур жылан киби уўын шашар.
33Көзлериңе ерси нәрселер көринер,
Ойыңнан жаман пикирлер өтер.
34Сен теңиздиң қақ ортасында қайықта,
Өрлик ағашының үстинде жатырғандай боларсаң.
35«Мени урды, аўырмады,
Сабады, маған сезилмеди,
Қашан оянаман?
Және ишимлик излеймен», – дерсең.

 

24

 

Он тоғызыншы нәсият

 

1Залым адамларға ҳәўес қылма,
Олар менен бирге болыўды күсеме.
2Себеби олардың ойы зорлық етиўди ойлар,
Аўзы машқала келтириў туўралы сөз етер.

 

Жигирмаланшы нәсият

 

3Даналық пенен үй салынар,
Ақыл менен берик болар.
4Билим менен үйдиң иши,
Қымбатбаҳа ҳәм әжайып байлыққа толар.

 

Жигирма биринши нәсият

 

5Дана адам күшли болар,
Билимли адам күшке толып барар.
6Сонлықтан урысты ақыл-кеңес пенен алып бар,
Мәсләҳәтши көп жерде жеңис бар.

 

Жигирма екинши нәсият

 

7Ақмақ ушын даналық қол жетпес болар,
Мәжилисте ол аўзын да ашпас.

 

Жигирма үшинши нәсият

 

8Жаманлық ислеўди нийет еткен адам,
Нийети бузық деп аталар.
9Ақмақтың ҳарам ойы – гүна,
Өзимшил – адамлар ушын жеркенишли.

 

Жигирма төртинши нәсият

 

10Егер сен апатқа ушырағанда ҳәлсизлик етсең,
Онда сениң күшиңниң аз болғаны.

 

Жигирма бесинши нәсият

 

11Айыпсыз өлимге кесилгенди қутқар,
Соймақшы болғанды изине қайтар.
12«Биз буны билмедик», – десең де,
Жүректи сынайтуғын Қудай шынлықты билмей ме?
Жаныңды қорғайтуғын буны аңламай ма?
Ол ҳәр бир адамға исине жараса қайтармай ма?

 

Жигирма алтыншы нәсият

 

13Балам, пал же, ол жақсы,
Пал уяның палы таңлайыңа татлы.
14Сол сыяқлы, даналық та жаныңа татлы,
Егер оны тапсаң, келешегиң болар,
Үмитиң де үзилмес.

 

Жигирма жетинши нәсият

 

15Ҳәй залым, әдилдиң үйине жаўызлық ойлама,
Оның мәканын ўайранлама.
16Әдил жети рет жығылса да, турып кетер,
Залым апатшылықтан набыт болар.

 

Жигирма сегизинши нәсият

 

17Душпаның жығылса, қуўанба,
Сүрниксе, шадланба.
18Сөйтсең, Жаратқан Ийе буны көрип, наразы болар,
Душпаныңа деген ғәзебинен қайтар.

 

Жигирма тоғызыншы нәсият

 

19Жаўызлық қылыўшыларға қәҳәрленбе,
Залымларға ҳәўес қылма.
20Себеби жаўызлық қылыўшылардың келешеги жоқ,
Залымлардың шырағы өшип қалар.

 

Отызыншы нәсият

 

21Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ,
Қозғалаңшы менен шерик болма.
22Өйткени Жаратқан Ийе ҳәм патша тосаттан бәле жиберер,
Олар екеўиниң қандай бәле жиберетуғынын ким билер?

 

Даналардың басқа нәсиятлары

 

23Мыналар да даналардың айтқанлары:
Ҳүкимде адамды алалаў жақсы емес.
24Айыплыға; «Сен айыпсызсаң», – дегенди халықлар нәлетлер,
Миллетлер оны жек көрер.
25Айыплыны жазалаған табысқа ерисер,
Оған жарылқаўлар жаўар.
26Туўры жуўап,
Ҳақыйқый дослықтың белгиси.
27Сырттағы ислериңди питкер,
Егислик жериңди тәртипке сал,
Соңынан үйиңди қур.
28Себепсиз жақыныңа қарсы жалған гүўалық берме,
Аўзың менен өтирик сөйлеме.
29«Маған не қылған болса, өзине де соны ислеймен,
Ол не қылса, өзине соны қайтараман», – деме.

 

30Мен ериншектиң атызынан,
Ессиздиң жүзимзарынан өттим.
31Қарасам, ҳәммесине тикенлер өскен,
Жериниң бетин жабайы шөп басқан,
Тас дийўалы да қулаған.
32Қарап, ойланып қалдым,
Көрип, сабақ алдым:
33«Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң,
Гейде қол қаўсырып, жатып алсаң,
34Тонаўшыдай болып, жоқшылық жетип келер,
Қарақшыдай болып, мүтәжлик бас салар».

 

25

 

Сулайманның ҳикметлериниң екинши бөлими

 

1Мыналар да Яҳуда патшасы Хизкияның адамлары тәрепинен жазып алынған Сулайманның ҳикметлери:

 

2Исти қупыя етиў – Қудайдың даңқы,
Исти изертлеп ашыў – патшалардың даңқы.
3Аспанның бийиклиги, жердиң тереңлиги киби,
Патшаның ой-нийети де түсинип болмас нәрсе.
4Гүмистен қосымтаны алып тасла,
Сонда өнермент оннан ыдыс соға алар.
5Патшадан залымды узақластыр,
Оның тахты әдиллик пенен беккем болар.
6Патшаның алдында гәрдийме,
Уллылардың орнына турып алма.
7Ҳасылзада алдында кемситилгеннен гөре,
Оның саған: «Былай, жоқары шық», – дегени жақсырақ.
Көзлериң менен көрген нәрсени,
8Ҳүкимге тапсырыўға асықпа.
Егер қарсыласың сени жеңип шығып, уялтса,
Кейин не қыласаң?
9Даўды жақының менен жеке талқыла,
Басқаның сырын ашпа.
10Болмаса, адамлар еситип, сени уялтар,
Жаман атың изиңнен қалмас.
11Орны менен айтылған сөз,
Гүмис табаққа салынған алтын алмаға уқсар.
12Тыңлар қулаққа дананың әшкаралаўы,
Алтын сырғаға яки сап алтын тағыншаққа уқсар.
13Садық елши өзин жибергенлер ушын,
Орым-жыйын ўақтындағы қардың суўығы яңлы,
Өз хожайынларының жанын жай таптырар.
14Берилмеген сыйды айтып мақтанатуғын адам,
Қурғақ самал ҳәм жаўмас бултқа уқсайды.
15Сабырлылық пенен ҳүкимдар көндирилер,
Жумсақ тил сүйекти сындырар.
16Пал тапсаң, жетерлисин же,
Артық жесең, қусып тасларсаң.
17Қоңсыңа жийи-жийи бара берме,
Сеннен безип, жек көрип қалмасын.
18Жақынына қарсы жалған гүўалық берген адам,
Шоқмар, қылыш ҳәм ушлы оққа уқсар.
19Апат күни опасызға үмит артыў,
Сынған тис ҳәм сал болған аяққа мегзер.
20Қайғылыға кеўилли қосық айтыў,
Суўық күни кийимин шешип алғанға,
Ямаса жараға дуз сепкенге мегзер.
21Егер душпаның аш болса, оған нан бер,
Егер шөллесе, суў бер.
22Солай ислеп, оны уялтарсаң,
Есесин Жаратқан Ийеден аларсаң.
23Арқа самалы жаўын алып келер,
Өсекши тил адам жүзинде ғәзеп оятар.
24Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан,
Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.
25Алыс елден келген жақсы хабар,
Шөллегенге берилген суўық суўға мегзер.
26Залымға бас ийген әдил адам,
Ылайланған булақ ҳәм патасланған қудыққа мегзер.
27Көп пал жеген жақсы емес,
Даңқ ушын умтыла бериў де даңқ әпермес.
28Өзин басқара алмайтуғын адам,
Дийўалсыз, ўайран болған қалаға мегзер.

 

26

 

1Жазға қар, орым-жыйын ўақтына жаўын жараспағаны сыяқлы,
Ақмаққа даңқ жараспас.
2Шымшықтың пырылдап ушқанындай,
Қарлығаштың ушып кеткениндей,
Жөнсиз ғарғыс та адамға тиймес.
3Атқа қамшы, ешекке жүўен,
Ақмақтың арқасына таяқ керек.
4Ақмаққа ақмақлық пенен жуўап берме,
Болмаса, өзиң де оған уқсап қаласаң.
5Егер ақмаққа ақмақлығына сай жуўап бермесең,
Онда ол өзин ақыллы санар.
6Ақмақ арқалы хабар жиберген,
Аяғына балта урғандай ямаса зорлыққа шыдағандай болар.
7Ақмақ айтқан ҳикметлер,
Ақсақтың аяғындай натегис болар.
8Ақылсызды ҳүрметлеў,
Сақпанға тасты байлап атқандай пайдасыз.
9Ақмақ айтқан ҳикметлер,
Мәскүнемниң қолындағы тикенли шақаға уқсар.
10Ақмақты яки дус келген адамды жаллаўшы,
Бет алдына қарамай жарақат салатуғын садақшыға уқсар.
11Өз ақмақлығын тәкирарлаған ақмақ,
Өз қусығына қайтып келген ийтке уқсар.
12Өзин дана деп санайтуғын адамды көрдиң бе?
Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
13Жалқаў: «Жолда арыслан бар.
Майданларда арыслан жүр», – дейди.
14Есиктиң топсада айлана бергени сыяқлы,
Ериншек төсегинде аўнап жата берер.
15Ериншек табаққа қол салар,
Бирақ аўзына апарыўға еринер.
16Ериншек өзин,
Ойланып жуўап беретуғын жети адамнан да ақыллырақ санар.
17Басқаның жәнжелине араласқан,
Жолдағы ийттиң қулағынан тартқанға уқсар.
18Телбе адамды өлтиретуғын отлы оқлар атады.
19Жақынын алдап, зыян келтиргеннен кейин:
«Мен ҳәзиллесип едим», – дейтуғын адам да сондай.
20Отын таўысылса, от өшер,
Өсекши болмаса, даў сөнер.
21Көмир қызыў ушын, отын от ушын,
Урысқақ адам жәнжелди тутандырыў ушын.
22Өсекшиниң сөзи сондай татлы,
Олар адамның жан дүньясына кирип алар.
23Шийрин сөзли жаўыз нийетли адам,
Гүмис жалатылған ылай ыдысқа мегзер.
24Душпан өз кегин тили артына жасырар,
Жүрегинде болса, ҳийле сақлар.
25Оның мүләйим сөйлегенине исенбе,
Себеби жүрегинде жети сумлық бар оның.
26Өшпенлигин ҳийле менен жасырса да,
Жаўызлығы халық жыйынында жүзеге шығар.
27Ким гөр қазса, соған өзи түсер,
Ким жоқарыға тас домалатса, өзи астында қалар.
28Жалған тил өзи жаралағанларды жек көрер,
Жағымпаз аўыз апат келтирер.

 

27

 

1Ертеңги күн менен мақтанба,
Оның не алып келетуғынын билмейсең.
2Сени өз аўзың емес, басқа аўыз,
Өз тиллериң емес, өзге тил мақтасын.
3Тас та салмақлы, қум да аўыр,
Ақмақ туўдырған ғәзеп екеўинен де аўыр.
4Ашыў қатал, ғәзеп басылмайды,
Бирақ қызғанышқа ким қарсы тура алады?
5Ашық ескерткен,
Жасырын сүйиспеншиликтен жақсы.
6Достың ескертиўи садықлық,
Душпанның сүйиўи алдамшы[1].
7Тойынған палдан да бас тартар,
Ашқа ашшы да мазалы көринер.
8Өз мәканын таслап, гезип кеткен,
Уясын таслап, гезип кеткен қусқа мегзер.
9Хош ийисли май ҳәм түтетки жүректи қуўантар,
Достың шын жүректен айтқан кеңеси кеўилге жағымлы болар.
10Өзиңниң ҳәм әкеңниң достынан қол үзбе,
Басыңа ис түскенде ағайинлериңе жуўырма,
Узақтағы ағайиннен жақындағы қоңсы артық.
11Балам, дана болып жүрегиме қуўаныш бағышла,
Сонда мени айыплағанларға не деп жуўап бериўди билемен.
12Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар,
Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
13Бийтанысқа кепил болғанның кийимин шешип ал,
Оны басқаға кепил болғаны ушын гиреўге услап тур.
14Таң азаннан қоңсысына даўыслап алғыс айтқан,
Ғарғаған саналар.
15Урысқақ ҳаял,
Жаўынлы күни тынбай тамшылайтуғын жаўынға мегзер.
16Оны тоқтатыў самалды басқарғанға,
Ямаса қол менен майды услағанға уқсайды.
17Темир темирди қайрап өткир қылғаны сыяқлы,
Адам адамды жетик қылады.
18Әнжирди тәрбиялаған жемисин жер,
Мырзасына ғамхорлық еткен ҳүрметте болар.
19Адам суўға қарап жүзин көргендей,
Жүрегине қарап өзин көрер.
20Өлилер мәканы ҳәм набыт болыў мәканы тойымсыз болғаны сыяқлы,
Адамның көзи де тойымсыз.
21Гүмис балқытыўханада, алтын ошақта сыналар,
Адам мақталғанда сыналар.
22Ақмақты бийдай менен келиде түйсең де,
Оннан ақмақлығы айырылмас.
23Сүриўлериңниң жағдайын жақсы бил,
Падаларыңа жақсылап қара.
24Өйткени байлық мәңгилик емес,
Таж да әўладтан-әўладқа берилмес.
25Отлар орылып, таза шөп шығар,
Таўдағы шөплер де жыйнап алынар.
26Сонда қойлар сени кийиндирер,
Текелер жер сатып алыўға пул болар.
27Өзиңе ҳәм үй-ишиңе азық ушын,
Ешки сүти мол болар,
Шорыларыңның ишиўи ушын да жетер.

 

28

 

1Ҳеш ким қуўмаса да, қылмыскер қашар,
Әдиллер арысландай батыр болар.
2Елде нызамсызлық көбейсе, басшылар көбейер,
Түсимпаз ҳәм билимли басшы болса, елде тәртип сақланар.
3Ҳәлсизлерди езетуғын жарлы,
Егинди жайпайтуғын нөсер жаўынға уқсар.
4Нызамды бузғанлар залымларды мақтар,
Нызамға әмел қылғанлар оларға қарсы турар.
5Жаўыз адамлар әдалатты уқпас,
Жаратқан Ийени излегенлер ҳәммесин түсинер.
6Натуўры жолдан жүрген байдан,
Минсиз жүрген жарлы жақсы.
7Нызамды устанған – ақыллы бала,
Жарамасқа дос болған әкесин уятқа қояр.
8Үстеме пайдасы менен байлық жыйнаған,
Оны жарлыларға сақаўат көрсеткен адам ушын жыйнайды.
9Нызамды еситпеў ушын қулағын жаўған адамның,
Еткен дуўасы да жеркенишли.
10Ҳақ адамды жолдан азғырған,
Өзи қазған шуқырға өзи түсер,
Минсизлер жақсылықты мийрас қылар.
11Бай адам өзин дана санар,
Ақыллы жарлы оны әшкара қылар.
12Әдиллер үстин шықса, қуўаныш ҳүким сүрер,
Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар.
13Қылмысын жасырған табысқа ериспес,
Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
14Бәрқулла Қудайдан қорққан адам қандай бахытлы!
Жүрегин қатал қылған апатқа ушырар.
15Жарлы халыққа бийлик еткен залым басшы,
Ақырған арысланға яки аш айыўға уқсар.
16Ақылсыз ҳүкимдар халқын езер,
Ҳарам пайданы жек көргенниң өмири узақ болар.
17Қан төгип адам өлтирген,
Гөрге киргенше, қашып жүрер,
Оған ҳеш ким жәрдем бермесин!
18Минсиз жүрген қәўипсизликте болар,
Надурыс жолдан жүрген тосаттан қулар.
19Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ болар,
Бос арзыў-қыялға берилген жоқшылыққа тояр.
20Садық адам жарылқаўға бай болар,
Байыўға асыққан жазасыз қалмас.
21Адамларды алалаў жақсы емес,
Гейбир адам бир тислем нан ушын наҳақлық қылар.
22Иши тар адам байыўға асығар,
Жоқшылыққа ушырайтуғынын ойламайды да.
23Адамды әдил әшкаралаған,
Ақырында, жағымпазға қарағанда үлкен ҳүрметке ерисер.
24«Гүна емес», – деп ата-анасынан урлайтуғын –
Геллекесерлердиң шериги.
25Ашкөз жәнжел шығарар,
Жаратқан Ийеге үмит артқан тоқ жасар.
26Өзине исенген – ақылсыз,
Даналық пенен жүрген қәўипсизликте болар.
27Жарлыға берген кем болмас,
Оннан көз жумған көп ғарғысқа қалар.
28Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар,
Олар қуласа, әдиллер көбейер.

 

29

 

1Жийи ескертиўди тыңламай қасарысқан адам,
Күтилмегенде, шыпасыз өлип кетер.
2Әдиллер бийлик етсе, халық қуўанар,
Залымлар бийлик етсе, халық дад салар.
3Даналықты сүйген әкесине қуўаныш келтирер,
Бузықлар менен дос болған байлығын шашар.
4Патша әдалатлық пенен елди беккемлер,
Пара алған оның қутын қашырар.
5Жақынына жағымпазланған,
Оның аяғы астына тор қурған болар.
6Залымның гүнасы өзине дузақ болар,
Әдил қосық айтар ҳәм шадланар.
7Әдил жарлылардың ҳуқықын қорғар,
Залымның буған билими жетпес.
8Мазақлаўшылар қаланы көтерилиске түрткилер,
Даналар ашыў-ызаны басар.
9Дана адам ақмақ пенен қазыханада даўласса,
Ақмақ ашыўланып та, күлип те маза бермес.
10Қанхор адамлар минсизди жек көрер,
Ҳақ адамлар оның өмирине ғамхорлық етер.
11Ақмақ бар ашыўын төгер,
Дана өзин өзи бийлер.
12Егер ҳүкимдар жалған сөзге қулақ салса,
Оның барлық ҳәмелдарлары жаўызға айланар.
13Жарлы менен езиўшиге ортақ нәрсе мынаў:
Екеўиниң де көзине Жаратқан Ийе нур берген.
14Патша жарлыларға әдалатлы ҳүким шығарса,
Оның тахты ҳәрдайым беккем болар.
15Таяқ ҳәм ескертиў даналық берер,
Қараўсыз қалған бала анасын уятқа қалдырар.
16Залымлар көбейсе, нызамсызлық көбейер,
Әдиллер болса, олардың қулағанын көрер.
17Балаңды тәрбияла, ол саған рәҳәт берер,
Жаныңды қуўанышқа бөлер.
18Көктен аян болмаса, халық жүўенсиз болар,
Нызамға әмел қылған бахытлы болар.
19Қулды тек сөз бенен тәрбиялап болмас,
Ол түсинеди, бирақ қулақ салмас.
20Ойланбай сөйлейтуғын адамды көрдиң бе?
Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
21Қул балалығынан еркелетип өсирилсе,
Ақырында басыңа бәле болар.
22Ғәзепли адам жәнжел шығарар,
Қызба адам көп гүна қылар.
23Менменлик адамды жер қылар,
Кишипейил ҳүрметке ийе болар.
24Урыға шерик болған өз жанын жаман көрер,
Ғарғысқа қалса да, билгенин айтыўға батылы жетпес.
25Адамнан қорқыў дузаққа түсирер,
Жаратқан Ийеге исенген қәўипсиз болар.
26Көплер ҳүкимдардың көзине түсиўди қәлер,
Бирақ әдалат Жаратқан Ийеден берилер.
27Әдиллер ушын наҳақлар жеркенишли,
Залымлар ушын ҳақ жүргенлер жеркенишли.

 

30

 

Агурдың сөзлери

 

1Мыналар Яке улы Агурдың Итиелге, Итиел менен Ухалға айтқан ҳикметли сөзлери: 2«Расында да, мен адамлар арасындағы ең ақылсызы екенмен,

 

Адамға тән ақыл да жоқ менде.
3Даналықты үйренген де емеспен,
Мухаддес Қудайды танымайман да.
4Ким бир рет болса да, көклерге көтерилген ямаса төмен түскен?
Ким алақанына самалды жыйнап алған?
Ким суўды кийимине орап алған?
Ким жердиң шегин орнатқан?
Оның аты ким? Улының аты ким?
Билсең, маған айт!
5Қудайдың ҳәр бир сөзи ҳақ,
Ол Өзин паналайтуғынлардың қалқаны.
6Оның сөзлерине ҳеш нәрсе қоспа,
Қоссаң, ол сени әшкаралар, өтирикши болып қаларсаң.
7О, Қудай, мен Сеннен еки нәрсе сорайман,
Өлмесимнен бурын соларды берши:
8Мылжың сөзди ҳәм өтирикти меннен аўлақ қыл,
Жарлылық та, байлық та бермеши маған,
Тек бере гөр күнделикли нанымды.
9Тойынып кетип, Сеннен бас тартып: „Жаратқан Ийе деген ким өзи?“ – деп айтпайын,
Жарлыланып қалып урлық ислеп, Сениң атыңа иснат келтирип жүрмейин.

 

10Хызметкерин хожайынына жаманлама,
Болмаса, ол сени ғарғап, жазасын тартарсаң.
11Сондай әўлад бар, әкесин ғарғар,
Анасына да алғыс айтпас.
12Сондай әўлад бар, өзин таза санар,
Ҳәтте, қусығынан тазармаған болса да.
13Әўлад бар, тәкаббирленип бағар,
Ҳәммениң үстинен қарар.
14Жарлыларды жер бетинен,
Мүтәжлерди адамлар арасынан жалмап жутатуғын,
Тислери қылыш, азыўлары пышақтай адамлар бар.

 

15Сүликтиң еки қызы бар. „Бер, бер“, – деп бақырар олар.
Ҳеш қашан тоймайтуғын үш нәрсе,
„Жетерли“ демейтуғын төрт нәрсе бар.
16Өлилер мәканы, нәсилсиз қурсақ,
Суўға қанбайтуғын топырақ пенен өрт ҳеш қашан „жетерли“ демес.

 

17Әкени мазақлайтуғын, анаға бойсыныўдан бас тартатуғын көзди,
Ойпатлықтағы ғарғалар шоқыйды, қара қустың палапанлары жейди.

 

18Мениң ақылым жетпейтуғын үш нәрсе,
Мен түсинбейтуғын төрт нәрсе бар:
19Аспандағы бүркиттиң жолы,
Тас үстиндеги жыланның жолы,
Теңиз ортасындағы кемениң жолы,
Еркектиң қызға баратуғын жолы.
20Бузық ҳаялдың жолы да сондай.
Ол жеп болып, аўзын сүртип,
„Ҳеш жаманлық ислемедим“, – дер.

 

21Жер үш нәрседен ләрзеге келер,
Төртеўин ол көтере алмас:
22Қул патша болғанда,
Ақмақ асқа тойғанда,
23Жағымсыз қыз турмысқа шыққанда,
Шоры ханымының орнын алғанда.

 

24Жер бетинде төрт кишкене нәрсе бар,
Бирақ олар даналардың данасы:
25Қумырысқа күшсиз жанзат,
Бирақ қыс азығын жазда таярлар.
26Даман[2] ҳәлсиз жанзат,
Бирақ өз инин жартасқа салар.
27Шегирткеде патша жоқ,
Бирақ ҳәммеси сап тартып жүрис қылар.
28Кесирткени қол менен услаўға болар,
Бирақ ол патша сарайында да бола алар.

 

29Қәдеми саўлатлы үш нәрсе,
Жүриси айбатлы төрт нәрсе бар:
30Ҳайўанлардың ең күшлиси арыслан,
Ҳеш нәрседен қаймықпас.
31Мәкийенлер алдындағы қораз,
Сүриў алдындағы теке,
Ордасының басындағы патша.

 

32Егер менменлик етип ақмақлық қылған,
Ямаса жаманлық ойлаған болсаң,
Аўзыңды қолың менен жап.
33Себеби сүтти гүбиге писсе май шығар,
Мурынға урса қан шығар,
Сол сыяқлы, ашыўды қозғаса жәнжел шығар».

 

31

 

Лемуелдиң айтқанлары

 

1Патша Лемуелдиң ҳикметли сөзлери,

 

Анасының оған үйреткенлери:
2«Балам, қурсағымнан шыққан балам!
Балам, ўәде берип, тилеп алғаным!
3Күшиңди ҳаялларға жумсама,
Патшаларды набыт қылатуғынларға жаслығыңды сарп қылма.

 

4Лемуел, патшаларға шарап ишиў жараспас,
Ҳүкимдарларға өткир ишимликти аңсаў жараспас.
5Ишкенде, олар нызамды умытар,
Езилгенлерден ҳуқықын тартып алар.
6Өткир ишимликти өлип баратырғанға,
Шарапты руўхы қыйналғанға бер.
7Ол ишип, жарлылығын умытсын,
Қайғы-ҳәсиретин артық еске алмасын.
8Аўзыңды өз ҳуқықын қорғай алмайтуғынлар ушын,
Езилгенлерди қорғаў ушын аш.
9Аўзыңды әдил ҳүким шығарыў ушын,
Жарлы ҳәм мүтәждиң исин қорғаў ушын аш».

 

Уқыплы ҳаял

 

10Жақсы ҳаялды ким таба алар?
Ол қымбатбаҳа таслардан да қымбат.
11Күйеўи оған шын жүректен исенер,
Ҳеш нәрседен мүтәжлик көрмес.
12Ол күйеўине жаманлық емес,
Бир өмир жақсылық қылар.
13Ол жүн ҳәм зығыр табар,
Ҳәўес етип, өз қоллары менен ислер.
14Ол саўдагердиң кемесине уқсар,
Нанын узақтан алып келер.
15Ол таң атпай турып,
Хожалығы ушын аўқат таярлар,
Шорыларына да тапсырма берер.
16Атызды көзден кеширип, сатып алар,
Еңбегиниң түсиминен жүзим отырғызар.
17Белин беккем буўып,
Қолларына күшин жыйнар.
18Ол исиниң пайдалы екенин билер,
Шырасы түнде де өшпес.
19Қолларын шарыққа қояр,
Бармақлары менен уршық ийирер.
20Жарлыларға қолын созар,
Мүтәжлерге қол берер.
21Үй-ишин ойлап, қардан қорқпас,
Үйиндегилер қырмызы кийим кийген.
22Ол өзи ушын төсек тигер,
Кийимлери шым қызыл ҳасыл зығырдан.
23Күйеўиниң атағы кең жайылып,
Ел ақсақаллары менен кеңес қурар.
24Ҳаял зығырдан кийим тигип сатар,
Саўдагерлерди қайыс пенен тәмийинлер.
25Күш ҳәм абырай оның кийими,
Шад болып бағады ертеңги күнге.
26Ол даналық пенен сөйлер,
Меҳир менен нәсият қылар.
27Хожалық ислерин бақлап барар,
Мийнетсиз нан жемес.
28Балалары турып, рахмет айтар,
Күйеўи де былай деп оны мақтар:
29«Жақсы ҳаяллар көп,
Бирақ сен ҳәммесинен артықсаң».
30Сүйкимлилик алдамшы, сулыўлық өткинши,
Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғын ҳаял мақтаўға ылайық.
31Оған мийнетине жараса сый бериңлер,
Ислери дәрўаза алдындағы кеңесте тәрийипленсин!

 

 

 

Ўаз

Ўаз китабы

 

 

1

 

Жумбақлы дүнья

 

1Булар Даўыттың улының, Ерусалимде патшалық еткен Ўазшының сөзлери:

 

2«Бийҳуда, бийҳуда, ҳәммеси бийҳуда!» – дейди Ўазшы.

 

3Қуяш астында ислеген барлық мийнетинен
Адам не пайда табар?
4Бир әўлад кетер, бир әўлад келер,
Ал дүнья мәңгиге усылай қала берер.
5Күн шығар, күн батар,
Кейин ол шыққан орнына қайтыўға асығар.
6Самал қублаға есер, кейин арқаға айланар.
Ол айланып-айланып есип,
Қайтып өз жолына түсер.
7Барлық дәрьялар теңизге қуяр,
Бирақ теңиз ҳеш толмас.
Дәрьялар аққан жаққа қайтадан аға берер.
8Ҳәмме нәрсе жалықтырады,
Адам оларды сөз бенен жеткере алмас.
Көз көриўден,
Қулақ еситиўден тоймас.
9Алдын не болған болса, және болар.
Не қылынған болса, және қайталанар.
Қуяш астында ҳеш қандай жаңа нәрсе жоқ.
10Қандай да бир нәрсе бар ма: «Қараңлар, мынаў жаңалық-ғо», – деп айта алғандай?
Бирақ ол нәрсе де әййемнен, бизлерден әсирлер алдын бар еди.
11Бурын болғанлар еске алынбас,
Келешекте болатуғынлар да олардан кейингилер арасында еске алынбас.

 

Даналық излеўдиң пайдасы жоқ

 

12Мен, Ўазшы, Ерусалимде Израил патшасы едим. 13Өзимди аспан астында исленип атырған нәрселердиң ҳәммесин даналық пенен изертлеўге ҳәм үйрениўге бағышладым. Қудайдың адам баласына берген жүги қандай аўыр! 14Мен қуяш астында исленип атырған барлық ислерди көрдим: олардың ҳәммеси бийҳуда, ҳәммеси самалдың изинен қуўғанға уқсайды екен.

 

 

15Қыйсайған морт нәрсени дүзетип болмас,
Жоқ нәрсени санап болмас.

 

 

16Мен өзиме өзим былай дедим: «Мине, мен уллылықта ҳәм даналықта Ерусалимде өзимнен алдын бийлик еткенлердиң ҳәммесинен де илгерилеп, озып кеттим. Мол даналық ҳәм билимди ийелеп алдым». 17Мен өзимди даналықты билиўге, және ақылсызлық пенен ақмақлықты билиўге бағышладым. Сонда буның да самалдың изинен қуўғанға уқсайтуғынын түсиндим.

 

 

18Себеби көп билген сайын, қапашылық та көбейер.
Көп түсинген сайын, дәрт те асып барар.

 

2

 

Кейпи-сапаның бийҳудалығы

 

1Мен өзиме: «Қәне, енди рәҳәтленип, кеўил-хошлық етип көрейин», – дедим. Бирақ ол да бийҳуда екен. 2Мен күлки ҳаққында: «Ақылсызлық», – дедим, ал кеўил-хошлық ҳаққында: «Не кереги бар?» – дедим. 3Даналығым басшылығында денемди шарап пенен сынап көриў ушын ақмақлыққа берилиўди шештим. Усылайынша, адамлар аспан астындағы қысқа өмиринде нелерди ислесе пайдалы болатуғынын билмекши болдым.
4Мен уллы ислер иследим: өзиме үйлер қурдым, жүзим бағларын өсирдим, 5бағлар ҳәм сулыў тоғайлар жараттым, ол жерлерге түрли мийўе ағашларын отырғыздым, 6Ағашларды суўғарыў ушын ҳаўызлар қурдым, 7қул ҳәм шорылар сатып алдым, үйимде туўылған қул ҳәм шорыларым да бар еди, ири ҳәм майда малларым да соншелли көп еди. Меннен алдын Ерусалимде жасағанлардың ҳеш биринде буншелли көп мал болмаған. 8Өзиме гүмис ҳәм алтын жыйнадым, патшалардан ҳәм ўәлаятлардан ғәзийне топладым, ҳаял ҳәм еркек қосықшыларға ийе болдым, еркекке унайтуғын сулыў тоқалларды алып кеўлимди хошладым. 9Солай етип, мен уллылыққа ерисип, өзимнен алдын Ерусалимде жасағанлардың ҳәммесинен асып түстим. Даналығым да мени тәрк етпеди.

 

10Көзим түсип, унатқанның ҳеш қайсысынан бас тартпадым.
Кеўлим күсеген нәрсеге шек қоймадым.
Қылған ҳәр бир исимнен кеўлим хош болды.
Пүткил мийнетиме берилген пай усы болды.
11Бирақ өз қолларым менен ислеген ислериме,
Қылған ҳәмме мийнетлериме қарасам,
Булардың ҳәммеси бийҳуда, самалдың изинен қуўғандай нәрсе екенин,
Қуяш астында ҳеш қандай пайдалы нәрсе жоқ екенин көрдим.

 

Даналық ҳәм ақылсызлық

 

12Соннан кейин, және даналық, ақылсызлық ҳәм ақмақлықтың не екенин көрмекши болдым.
Патша мийрасхоры әлле қашан исленген ислерден басқа нелер ислей алар еди?
13Жақтылықтың қараңғылықтан жақсырақ болғаны сыяқлы,
Даналықтың да ақылсызлықтан жақсырақ екенин көрдим.
14Дана жүрер жолын билер,
Ал ақылсыз қараңғылықта жүрер.
Бирақ мен екеўиниң де өмириниң ақыбетиниң бирдей екенин түсиндим.
15Сонда мен ишимнен былай дедим: «Ақылсыздың басына не түссе, мениң басыма да сол түседи.
Онда жүдә ақыллы болыўдың не кереги бар?»
Және өзиме өзим: «Бул да бийҳуда», – дедим.
16Себеби ақылсыз да, дана да,
Узақ есте сақланбайды,
Екеўи де тез арада умытылады.
Дана да ақылсыз бенен бирдей өлим көрмей ме?
17Усылайынша мен өмирди жек көрдим.
Себеби қуяш астында исленген ҳәр бир ис маған жүдә қайғылы көринди.
Ҳәммеси бийҳуда, самалдың изинен қуўғандай нәрсе екен.

 

Мийнеттиң бийҳудалығы

 

18Мен қуяш астында ислеген пүткил мийнетимди жек көрдим. Себеби оларды өзимнен кейинги адамға қалдырыўым керек еди. 19Ол дана бола ма, ақылсыз бола ма, ким биледи? Бирақ ол мениң қуяш астында мийнет етип, ақыл менен ерискенлеримниң ҳәммесине ийелик қылады. Бул да бийҳуда. 20Сонлықтан мен қуяш астында ислеген барлық мийнетлериме ашына басладым. 21Себеби адам даналығы, билими ҳәм уқыбы менен мийнет етеди, кейин булардың ҳәммеси, тап оның пайы сыяқлы буларға ҳеш мийнети сиңбеген адамға қалыўы керек болады. Бул да бийҳуда, бул – уллы азап! 22Қуяш астында ислеген мийнетинен ҳәм урыныўларынан адам неге ериседи? 23Оның барлық күнлери дәртке, жумыслары қайғыға толы, ҳәтте, жүреги түнде де тынышланбайды. Бул да бийҳуда.
24Адам ушын ишип-жеўден, ислеген мийнетинен рәҳәтлениўден артық нәрсе жоқ екен. Булардың да Қудайдан берилгенине көзим жетти. 25Ақыры, Ол бермесе, ким жей алады, ким рәҳәтлене алады? 26Себеби Өзине ылайықлы болғанларға Қудай даналық, билим ҳәм қуўаныш береди. Ал гүнакарларға болса, байлық арттырып жыйнаў исин тапсырады. Соңынан Өзине ылайықлы болған адамларға оның жемисин береди. Бул да ақылға сыймайды, бул да самалдың изинен қуўғандай нәрсе.

 

3

 

Ҳәр нәрсениң ўақты бар

 

1Ҳәр нәрсениң өз мәҳәли бар, қуяш астындағы ҳәр истиң өз ўақты бар.

 

2Туўылыўдың да, өлиўдиң де өз ўақты бар.
Егиўдиң де, егисти жыйнаўдың да өз ўақты бар.
3Өлтириўдиң де, шыпа бериўдиң де өз ўақты бар,
Бузыўдың да, қурыўдың да өз ўақты бар.
4Жылаўдың да, күлиўдиң де өз ўақты бар,
Жоқлаў айтып жылаўдың да, ойынға түсиўдиң де өз ўақты бар.
5Тас атыўдың да, оны жыйнаўдың да өз ўақты бар,
Қушақласыўдың да, оннан өзин тыйыўдың да өз ўақты бар.
6Излеўдиң де, жоғалтыўдың да өз ўақты бар,
Сақлап қойыўдың да, таслап жибериўдиң де өз ўақты бар.
7Жыртыўдың да, тигиўдиң де өз ўақты бар,
Үндемеўдиң де, сөйлеўдиң де өз ўақты бар.
8Сүйиўдиң де, жек көриўдиң де өз ўақты бар,
Урыстың да, тынышлықтың да өз ўақты бар.

 

 

9Жумысшы ислеген мийнетинен қандай пайда табады? 10Инсанлардың тер төгиўи ушын, Қудай берген аўыр жумысларды көрдим. 11Қудай ҳәмме нәрсени өз ўақтында әжайып етип жаратты. Ол адамларға дәўирди түсиниў мүмкиншилигин берди. Сонда да адам Қудайдың ислеген ислерин басынан ақырына дейин түсине алмайды. 12Адам ушын өмирде рәҳәтленип жасаўдан ҳәм жақсылық ислеўден артық ҳеш нәрсениң жоқ екенин билдим. 13Егер адам ишип-жесе ҳәм өз мийнетиниң рәҳәтин көрсе, бул оған Қудайдан берилген сый. 14Және де, Қудай ислеген ҳәр бир истиң мәңгиге өзгермейтуғынын билдим. Оннан ҳеш нәрсе алынып, оған ҳеш нәрсе қосылмайды. Қудай адамлардың Өзинен қорқыўы ушын усылай иследи.

 

15Ҳәзир не болса, өтмиште де сол болды,
Келешекте болатуғынлар ҳәзир де болып атыр,
Қудай болып өткенлерди және қайтарар.
16Мен қуяш астында мына нәрсени:
Әдалат қарар табыўы тийис орында нызамсызлықты, әдиллик иске асыўы тийис орында жаўызлықты көрдим.
17Сонда мен ишимнен: «Қудай жақсыны да, жаманды да ҳүким қылады.
Өйткени Ол ҳәр бир нәрсе ҳәм ҳәр бир ис ушын ҳүким қылатуғын ўақыт белгилеген», – дедим.

 

18Және, адамлар туўралы ишимнен былай дедим: «Қудай адамлардың өзлериниң де ҳайўанлардай екенин көрсетиўи ушын, оларды сынайды». 19Себеби адамлардың басына түскен нәрсе ҳайўанлардың да басына түседи: адамлар да өледи, ҳайўанлар да өледи. Екеўинде де бирдей жан бар, адамның ҳайўаннан үстинлиги жоқ. Аўа, ҳәммеси бийҳуда. 20Екеўи де бир жерге барады, топырақтан жаратылған, топыраққа қайтады. 21Адам баласының руўхы жоқарыға көтериле ме, ҳайўанның руўхы төменге, жер астына кире ме, буны ким биледи? 22Сонда мен адам ушын өз мийнетинен рәҳәтлениўден басқа жақсы нәрсениң жоқ екенин түсиндим. Себеби оның пайына тийген нәрсе усы. Өзинен кейин бул дүньяда не болатуғынын оған ким көрсете алады?

 

4

 

Дүньядағы қыйыншылықлар

 

1Мен қуяш астында болып атырған езиўшиликлерди көрдим:
Жәбирленгенлердиң көз жасларын көрдим,
Оларды жубатыўшы жоқ еди.
Күш езиўшилер тәрепинде еди.
Ал езилгенлерге тәселле бериўши де жоқ.
2Сонда мен өлип кеткен марҳумлардың жағдайының,
Тирилердиң жағдайынан жақсырақ екенин түсиндим.
3Бирақ еле туўылмағанлар,
Булар екеўинен де бахытлырақ.
Себеби олар қуяш астында исленип атырған жаўыз ислерди көрмеди.

 

 

4Мен және адамның пүткил мийнети ҳәм истеги жетискенлиги адамлар арасында қызғаныш туўдыратуғынын көрдим. Бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды.

 

5Ақылсыз қолларын қаўсырып алып, өзиниң етин өзи жейди.
6Тынышлық пенен алынған бир уўыс зат,
Самалдың изинен қуўып, аўыр мийнет етип тапқан бир қосыўыс заттан жақсырақ.

 

Жалғызлықтың бийҳудалығы

 

7Мен қуяш астында және бир бийҳудалықты көрдим:
8Бир жалғыз баслы адам бар еди.
Оның перзенти де, туўысқаны да жоқ еди.
Ол тыным таппай мийнет етер,
Көзлери де байлыққа тоймас еди.
Ол өзинен: «Мен ким ушын мийнет етип,
Өзимди рәҳәтлениўден маҳрум етип атырман?» – деп сорамайды.
Бул да бийҳуда, аўыр бир дәрт.

 

9Биреўден екеў жақсы,
Өйткени олар мийнетине жақсы сый алады.
10Егер биреўи қуласа, екиншиси турғызады.
Ал егер жалғыз адам қуласа,
Оны турғызатуғын адам болмайды.
11Еки адам бирге жатса, жыллы жатады.
Ал жалғыз жатқан адам қалай жылынады?
12Егер биреў жалғыз болса, жеңилер,
Екеў болса, қарсы тура алар.
Үш жиптен есилген арқан тегинликте үзилмес.

 

Жоқарылаўдың бийҳудалығы

 

13Берилген кеңеске қулақ аспайтуғын ақылсыз ғарры патшадан, жарлы, бирақ ақыллы жигит жақсырақ. 14Сондай жигит патшалықта жарлы болып туўылып, қамақханада отырған болса да, ол қамақханадан шығып, патша болып көтерилиўи мүмкин. 15Мен қуяш астында жасап атырған ҳәр бир адамның патшаның орнына отырған сондай жигиттиң изине ергенин көрдим. 16-17Оның изине ерген халық есап-сансыз болса да, кейинги урпақлардың оған кеўли толмайды. Аўа, бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды.

 

5

 

Қудай менен қарым-қатнас

 

1Қудайдың Үйине барғанда, қәдемиңди ойлап бас! Ол жерге ислеген жаманлығының парқына бармайтуғын ақылсызлар сыяқлы тек қурбанлық бериў ушын барғаннан гөре, тыңлаў ушын барған жақсырақ.

 

2Тилиң сөйлеўге асықпасын.
Қудайдың алдында сөз сөйлеўге жүрегиң асықпасын.
Қудай аспанда, сен болсаң, жердесең.
Сонлықтан гәпиң қысқа болсын.
3Себеби машқала көп болғанда, адам көп түс көретуғыны сыяқлы,
Көп сөйлегенде, ақылсызлық жүзеге келеди.

 

4Қудайға ўәде берсең, оны орынлаўды кешиктирме. Себеби Ол ақылсызларды унатпайды. Ал сен ўәдеңди орынла. 5Ўәде берип, орынламағаннан гөре, ўәде бермегениң жақсырақ. 6Тилиңниң сени гүнаға баслаўына жол қойма ҳәм Қудайдың руўханийине: «Ўәде берип, қәте қылдым», – деме. Сөзлериң менен Қудайдың ғәзебин келтирме. Болмаса, Ол қолларың менен ислеген ислериңди жоқ қылады. 7Көп сөйлеў де, көп түс көриў де пайдасыз. Жақсысы, Қудайдан қорқ!

 

Байлықтың бийҳудалығы

 

8Егер сен бир жерде жарлыға зулымлық қылынып, әдиллик ҳәм ҳақлықтың аяқ асты етилип атырғанын көрсең, буған ҳайран болма. Себеби ҳәмелдардың үстинен қадағалаўшы үлкени бар, ал олардың үстинен қадағалаўшы олардан да үлкениреги бар. 9Ҳәр бир адам жердиң өнимине өш, ҳәтте, патша да атыздан алынған өнимнен өзиниң пайын алады.

 

 

10Пулды сүйген, пулға тоймас,
Байлықты сүйген байлыққа тоймас.
Бул да бийҳудалық.
11Мал-дәўлет көбейсе, оларды ислетиўшилер де көбейеди.
Сонда байлықтың ийеси өз байлығына телмирип, қызықсынып қараўдан басқа не пайда табады?
12Жумысшы аз жесе де, көп жесе де тыныш уйықлайды.
Ал байды байлығы уйқыдан маҳрум қылады.

 

13Мен қуяш астында және бир қайғылы ўақыяны көрдим:
Жыйналған байлық ийесине зыян келтирди.
14Бул байлық әўметсизлиги себепли жоқ болып кетти,
Улы туўылғанда,
Улына ҳеш нәрсе қалдыра алмады.
15Адам анадан қалай жалаңаш туўылған болса,
Бул дүньядан да солай кетеди.
Ислеген мийнетиниң жемисинен
Ҳеш нәрсени де қолларына алып кете алмайды.
16Бул да аўыр қайғылы нәрсе:
Адам қалай келген болса, солай кетеди.
Онда қуры далаға мийнет етиўдиң не кереги бар?
17Ол өмир бойы нанын қараңғылықта жейди,
Қыйыншылықты, кеселликти ҳәм ашыўшақлықты бастан кеширеди.

 

18Мен инсан ушын жақсы ҳәм әжайып нәрсе – бул Қудайдың өзине берген қысқа өмири ишинде ишип-жеў, қуяш астында ислеген барлық мийнетиниң рәҳәтин көриў екенин билдим. Себеби инсанға тийген пай – усы. 19Егер Қудай адамға мал-мүлик ҳәм байлық берсе, оған усы нәрселерден пайдаланыўға, өз үлесин алып, мийнетинен рәҳәтлениўге жол ашса, онда бул Қудайдан берилген сый. 20Қудай оның жүрегин қуўанышқа толтырып қойғанлықтан, бундай адам қанша өмири кетип, қаншасы қалғанлығы туўралы кем ойлайды.

 

6

 

Адамлар ушын не жақсы?

 

1Мен қуяш астында адамлар арасында болып туратуғын, аўыр бир апатты көрдим: 2Қудай адамға байлық, мал-мүлик, атақ-абырай береди. Ол кеўли күсегениниң ҳәммесине ийе болады. Бирақ Қудай оған соның қызығын көриўге имканият бермейди ҳәм булардың барлығы басқаға буйырады. Бул да бийҳуда, бул – қайғылы бир дәрт.
3Егер бир адамның жүз баласы болса ҳәм ол узақ өмир сүрсе, бирақ ол өмирдиң рәҳәтин көрмесе ҳәм өлигин көмгендей адам болмаса, онда мен өли туўылған бала оннан бахытлырақ дер едим. 4Себеби өли туўылған бала бийкарға дүньяға келип, қараңғылық ишинде дүньядан өтеди, аты да қараңғылыққа көмиледи. 5Ол, ҳәтте, қуяшты көрген де, билген де жоқ. Бирақ өли туўылған баланың жағдайы сол адамның жағдайынан жақсырақ. 6Сол адам, ҳәтте, мың жылдан еки рет өмир сүрсе де, рәҳәт көрмейди. Бәри бир ҳәмме де бир жерге бармай ма?

 

 

7Адамның барлық мийнети қарынды тойдырыў ушын,
Бирақ ашкөзликтен кеўил тоймайды.
8Дананың ақылсыздан қандай артықмашлығы бар?
Жарлыға өмирде өзин қалай тутыўды билгенинен не пайда?
9Өзиңде жоқты күсегеннен, барға қанаат еткен жақсырақ.
Себеби ол да бийҳуда, ол да самалдың изинен қуўғандай нәрсе.

 

10Бар нәрсениң ҳәммесине әлле қашан ат қойылған.
Адамның да тәғдири белгили.
Ҳеш ким өзинен күшли болған менен қасарыса алмайды.

 

11Сөз көп болса, бийҳудалық көбейер.
Буннан адамға не пайда?

 

12Сая сыяқлы өтип кететуғын өмириниң мәниссиз күнлеринде адам ушын нениң жақсы екенин ким биледи? Өзинен кейин қуяш астында не болатуғынын адамға ким айта алады?

 

7

 

Даналық

 

1Жақсы ат қымбатбаҳа әтир майынан,
Өлим күни болса, туўылған күннен жақсырақ.
2Той берип атырған үйге барғаннан,
Жоқлаў айтылып атырған үйге барған жақсырақ.
Себеби ҳәммениң өмири өлим менен жуўмақланады.
Адам тири ўақтында буны жүректе сақласын.
3Қайғы күлкиден жақсырақ.
Себеби қайғы өмирден баҳалы сабақ береди.
4Дананың ойы жоқлаў айтылып атырған үйде,
Ақылсыздың ойы тойлап атырған үйде.
5Дананың айыплаўы,
Ақылсыздың мақтаўынан жақсырақ.
6Ҳақыйқаттан да ақылсыздың күлкиси
Қазан астында жанған отынның сытырлысына уқсайды.
Бул да бийҳуда.

 

7Басқаларды жәбирлеў дананы ақылынан айырар,
Пара жүректи азғырар.

 

8Тамамлаў баслаўдан жақсырақ,
Сабырлылық менменликтен жақсырақ.
9Ашыўланыўға асықпа,
Себеби ашыў ақылсызлардың жүрегине уя салады.

 

10«Не ушын өтмишим бүгинимнен жақсы еди?» – деп сорама.
Бул сораў даналыққа тән емес.

 

11Даналық мийрас сыяқлы жақсы,
Ол қуяшты көрип турған ҳәр бир адам ушын пайдалы.
12Себеби байлық адамды қалай қорғаса,
Даналық та адамды солай қорғайды.
Бирақ билимниң артықмашлығы мынаў:
Даналық өз ийесиниң өмирин сақлайды.

 

13Қудайдың ислерине нәзер сал.
Ол қыйсайтқан нәрсени ким дүзете алады?
14Жақсы күнлериңде оннан рәҳәтлен,
Жаман күнлериңде мынаған ой жуўырт:
Адам ертең не болатуғынын биле алмаўы ушын,
Жақсы күнди де, жаман күнди де Қудай жаратқан.

 

15Мен усы бийҳуда өмирим даўамында ҳәмме нәрсени көрдим:
Ҳақ адам әдил бола тура, ерте өлип кетеди,
Ал жаман адам жаман бола тура, узақ өмир сүреди.
16Сонлықтан аса әдил де, аса дана да болма.
Өзиңди өзиң қуртыўдың не кереги бар?
17Ҳәдден тыс жаман да, ақылсыз да болма.
Әжелиң жетпей, өлиўдиң не кереги бар?
18Биреўин тут,
Екиншисинен де қол үзбе.
Қудайдан қорққан адам екеўин де басшылыққа алады.

 

19Даналық дананы қаланың он ҳүкимдарынан да күшлирек қылады.
20Жер бетинде бәрқулла жақсылық ислеп,
Ҳеш гүна қылмай жүрген әдил адам жоқ.

 

21Адамлар айтып атырған ҳәмме сөзлерге дыққат аўдара берме,
Болмаса қулыңның өзиңди жаманлап атырғанын еситип қалыўың мүмкин.
22Себеби өзиңниң де басқа адамларды,
Көп мәрте жаманлағаныңды ишиң биледи.

 

23Булардың ҳәммесин даналығым менен сынап көрдим.
Өзиме өзим: «Дана боламан», – дедим.
Бирақ даналық меннен алыс еди.
24Даналық[1] деген нәрсе,
Жүдә узақ ҳәм жүдә тереңде.
Оны ким таба алады?
25Мен даналықты ҳәм барлықтың мазмунын излеп табыўға, изертлеп, терең түсиниўге өзимди бағышладым.
Жаўызлықтың ақылсызлық, ақылсызлықтың телбелик екенин билмекши болдым.

 

26Және мен мынадай ҳаялды өлимнен де ашшы деп таптым:
Оның өзи – дузақ, жүреги тор, ал қоллары кисен.
Қудайға унамлы болған адам оннан қашады,
Ал гүнакар оған тутқын болады.

 

27Мине, мен мынаны үйрендим, – дейди Ўазшы.
– Көп нәрсени изертлеп,
Мынаны түсиндим:
28Жүрегим еле излеген нәрсесин таба алмады:
Мыңнан бир ҳақ еркекти таптым,
Бирақ бирде бир ҳақ ҳаялды таба алмадым.
29Мен тек мына нәрсени аңладым:
Қудай адамды ҳақ етип жаратты,
Бирақ адамлар жүдә көп надурыс ой-қыялларда.

 

8

 

1Ҳақыйқый дана кимге уқсайды?
Ҳәмме нәрсениң мәнисин ким түсине алады?
Даналық адамның жүзин жайнатады,
Оның бетиндеги қаталлықты жумсартады.

 

Патшаға бойсыныңлар

 

2Мен былай деймен: патшаның айтқанларына қулақ сал, себеби Қудай оған ўәде берген. 3Патшаның алдынан кетиўге асықпа ҳәм патшаға қарсы тил бириктириўшилерге қосылма. Себеби ол қәлегениниң ҳәммесин ислей алады. 4Патшаның сөзинде қүдирет бар, ҳеш ким оған: «Сиз не ислеп атырсыз?» – деп айтпайды.

 

 

5Буйрықты орынлағанлар зыян көрмейди.
Дана адам дурыс нәрсени ислеў ўақтын да, жолын да биледи.
6Ҳәр бир истиң өз ўақты ҳәм қағыйдасы бар.
Сондай болса да, адам ушын қыйыншылықты көтериў жүдә аўыр.
7Келешекте не болатуғынын адам билмейди,
Буның қалай болатуғынын оған ким айта алады?
8Ҳеш кимниң самалды услап алып, оған бийлик етиўге күши жетпегенлиги сыяқлы,
Өлим күни үстинен бийлик етиўге де ҳеш кимниң күши жетпейди.
Урыстан қашыўға болмайтуғынлығы сыяқлы,
Жаўызлық та жаўызлық ислеўши адамды тәрк етпейди.

 

 

9Мен булардың ҳәммесин көрдим ҳәм қуяш астында болып атырған ҳәмме нәрсеге дыққат аўдардым: адам адамға ҳүкимдарлық еткен ўақытта, бир-бирине зыян келтиргенин көрдим. 10Кейин жаман адамның қалай жерленгенин көрдим. Мухаддес орынға келип-кетип жүрген сол адамлар өзлери жаманлық қылған қалада мақтаў алды. Бул да бийҳуда.
11Жынаят ушын тез жаза берилмесе, адам баласының жүреги жаманлық ислеўге қумар болады. 12Гүнакар жүз мәрте гүна ислеп, узақ өмир сүрсе де, Қудайдан қорққанлардың ҳәм Оның алдында ҳадал жүргенлердиң жақсылық көретуғынын анық билемен. 13Ал жаман адам Қудайдан қорқпағаны ушын жақсылық көрмейди ҳәм оның саяға уқсаған өмири узақ болмайды.
14Жер бетинде ақылға сыймайтуғын мынадай нәрсе де бар: гейде әдил адамлар жаман адамларға тийисли болған жазаны алады, ал әдил адамларға тийисли ҳүрметти жаман адамлар алады. Мен: «Бул да бийҳуда, түсиниксиз нәрсе», – деймен. 15Сонлықтан мен кеўил көтериўди артық көрдим. Себеби қуяш астында адам ушын ишип-жеп, кеўил көтериўден артық бахыт жоқ. Қуяш астында Қудайдың адамға берген өмири даўамында ислеген мийнетинен оған қалатуғыны усы.
16Мен өзимди даналықты билиўге ҳәм жер бетинде күни-түни уйқы көрмей исленип атырған ислерди түсиниўге бағышладым. 17Сонда мен Қудайдың ҳәмме ислерине ой жуўырттым. Ҳеш ким қуяш астында болып атырған нәрселерге түсинбейди. Ол қанша урынса да, буған ерисе алмайды. Дана адам буны билетуғынын айтса да, ол буның түбине жете алмайды.

 

9

 

Адамлар Қудайдың қолында

 

1Солай етип, булардың ҳәммесин үйренип, мына жуўмаққа келдим: әдиллер, даналар ҳәм олар ислеген ҳәр бир ис Қудайдың қолында. Оларды Қудай уната ма, унатпай ма, буны адам билмейди. 2Ҳәр бир адамның ақыбети бирдей болады. Әдил адам менен жаўыз адамның да, жақсы адам менен жаман адамның да, ҳадал адам менен ҳарам адамның да, қурбанлық беретуғын адам менен қурбанлық бермейтуғын адамның да ақыбети бирдей болады.

 

Жақсы адамға не болса, гүнакарға да сол болады.
Ант ишкенге не болса, ант ишиўден қорққанға да сол болады.

 

3Қуяш астында болып атырған ислердиң ҳәммесиниң ишинде қайғылысы мынаў: ҳәммениң тәғдири бирдей. Адамлардың жүреги жаўызлыққа толған ҳәм олар өмир сүрген дәўиринде ақмақлық ислейди. Кейин олар өлилердиң жанына кетеди. 4Бирақ тири жүрген ҳәр бир адам ушын үмит бар. Аўа, өли арысланнан тири ийт жақсы.

 

 

5Тирилер өлетуғынын биледи,
Ал өлилер ҳеш нәрсени билмейди.
Оларға артық сый жоқ,
Олар енди ҳеш еске алынбайды.
6Өлгенлердиң сүйиспеншилиги, жек көриўшилиги,
Қызғанышлары әлле қашан өтип кетти.
Олар қуяш астында болып атырған нәрселерге,
Енди араласа алмайды.

 

7Енди барып, шадлық пенен наныңды жеп, қуўаныш пенен шарабыңды иш. Өйткени Қудай усы ислериңди мақуллайды. 8Кийимлериңиз ҳәрдайым таза болсын, басыңыздан әтир арымасын. 9Қуяш астында Қудай өзиңе берген қысқаша өмириңниң пүткил жумбақлы күнлерин сүйикли ҳаялың менен рәҳәтте өткер. Себеби өмирден ҳәм қуяштың астында ислеген мийнетиңнен саған берилген пай усы болады. 10Қолыңнан не нәрсе келсе, ҳәммесин бар күшиң менен исле. Себеби сен баратуғын жерде, яғный өлилер мәканында жумыс та, ой-пикир де, билим де, даналық та жоқ.

 

 

11Қуяш астында мен және бир нәрсени көрдим:
Жарыста жүйрик,
Урыста күшли жеңе бермейди екен.
Данаға – мал-мүлик,
Ақыллыға – байлық,
Уқыплыға – ҳүрмет бәрқулла несип ете бермейди екен.
Бирақ олардың ҳәммеси ушын еле ўақыт ҳәм үмит бар.

 

12Адам өз ўақтын билмейди.
Торға түскен балық ҳәм дузаққа түскен қус сыяқлы,
Адам да күтилмегенде бахытсызлыққа ушырайды.

 

Даналық ақылсызлықтан жақсырақ

 

13Қуяш астында мен даналықтан және бир мысал көрдим. Ол маған әҳмийетли болып көринди. 14Ишинде азғана адам жасайтуғын кишкене бир қала бар еди. Күшли бир патша ол жерге келип, оны қамал қылды ҳәм қаланы басып алыў ушын, оның қарсысына үлкен бекинис қурды. 15Бирақ сол қалада жарлы болса да, дана бир адам жасайтуғын еди. Ол өз даналығы менен бул қаланы қутқарып қалды. Деген менен, кейин бул жарлы адамды ҳеш ким еске алмады. 16Сонда мен өзиме өзим: «Даналық күштен артық. Бирақ жарлы адамның даналығына кеўил бөлип, оның сөзлерин тыңламайды екен», – дедим.

 

 

17Дананың әлпайым айтқан сөзи,
Ақылсызлар ишиндеги басшының бақырып айтқан сөзлеринен жақсырақ.
18Даналық урыс қуралларынан жақсырақ,
Бирақ бир ақылсыз көп жақсылықты жоққа шығарады.

 

10

 

1Әтир майға түсип өлген шыбынлар әтир майды бузады,
Сол сыяқлы, ҳүрметли адамның азғана ақылсызлығы оның даналығы менен абырайына зыян келтиреди.
2Дананың жүреги дурыс жолға,
Ақылсыздың жүреги терис жолға талпынады.
3Ақылсыз қандай жолдан жүрмесин, Оған бәри бир ақыл жетиспейди.
Ол өзиниң ақылсызлығын ҳәммеге көрсетеди.
4Егер ҳүкимдарыңның ғәзеби саған қарай лаўласа,
Орныңнан турып, кетип қалма.
Себеби кишипейиллик үлкен қапашылықларды да бастыра алады.

 

5Қуяш астында және бир жаўызлықты көрдим.
Ол ҳүкимдар ислеген қәтелик еди:
6Ақылсызлар жоқары лаўазымларға отырып,
Ҳүрметли адамлар[2] төменде отырады.
7Мен және атқа минген қулларды,
Қулдай болып, жаяў жүрген басшыларды көрдим.

 

8Шуқыр қазғанның өзи сол шуқырға түседи,
Дийўалды бузғанды жылан шағады.
9Тас қашаған адамды таслар жарақатлайды,
Ағаш жарғанды ағаш жарақатлаўы мүмкин.

 

10Топыр балтаны қайрамаса,
Көп күш сарп етиледи.
Бирақ табысқа ерисиў ушын, даналықтың пайдасы көп.

 

11Егер жылан сыйқырланбастан бурын шағып алса,
Онда жылан сыйқырлаўшының не кереги бар?

 

12Дананың аўзынан жағымлы сөзлер шығады,
Ал ақылсыз өз сөзи менен өзин набыт қылады.
13Оның сөзиниң басы – ақылсызлық,
Ақыры – ақмақлық.
14Ақылсыз көп сөйлейди,
Бирақ адам келешекте не болатуғынын билмейди.
Адам өлгеннен кейин не болатуғынын ким айта алады?

 

15Ақылсыздың жумысы өзин шаршатады,
Ол қалаға баратуғын жолды да билмейди.

 

16Ҳәй, патшасы жас болып,
Ҳәмелдарлары азаннан баслап зыяпат қуратуғын ел, ҳәсирет шегесең!
17Ал патшасы ҳасыл туқымнан шыққан,
Ҳәмелдарлары тек мәслик етиў ушын емес,
Ал күш топлаў ушын керек ўақтында зыяпат беретуғын ел бахытлы!

 

18Ериншекликтен тамның төбеси ойылар,
Жалқаўлықтан төбеден суў өтер.
19Зыяпат адамның кеўлин көтерер,
Шарап өмирге қуўаныш алып келер,
Ал ақша ҳәмме мүтәжликти қанаатландырар.

 

20Патшаны, ҳәтте, ишиңнен болса да, жаманлама,
Ҳүрметли адамды[3] төсекте жатып та, ғарғама.
Себеби аспандағы қуслар хабар тасыр,
Қанатлы барлықлар сөзиңди жеткизер.

 

11

 

Келешекти ойла

 

1Наныңды басқаларға бергенде, қыйналмай бер,
Сонда күнлер өтип, ол өзиңе қайтып келер.[4]
2Барыңнан жети ямаса сегиз адамға пай бер,
Себеби жер бетинде қандай апатшылық болажағын билмейсең.
3Бултлар тойынғанда,
Жер бетине жаўын жаўдырады.
Терек қублаға қарай қуласа да, арқаға қарай қуласа да,
Ол қулаған жеринде қалады.
4Самал қатты ессе, туқым сеппес,
Булт қойыў болса, зүрәәтин ормас.

 

5Самалдың қай жақтан есетуғынын ҳәм қурсақтағы баланың сүйегиниң қалай пайда болатуғынын билмейтуғының сыяқлы,
Ҳәмме нәрсени ислейтуғын Қудайдың ислерин де биле алмайсаң.[5]

 

6Азанда туқым сеп,
Кеште де қолың бос турмасын.
Себеби олардың қайсысының өнимли болатуғынын билмейсең.
Анаўсы ма, мынаўсы ма?
Бәлким екеўи де жақсы өним берер.

 

7Жарық татлы,
Қуяшты көриў көзге жағымлы.
8Адам қанша көп жасаса да,
Бәрқулла қуўанып жасасын.
Бирақ қараңғы күнлердиң бар екенин де умытпасын.
Себеби олар да аз емес.
Не жүз бермесин, бәри де бийҳуда.

 

Жаслықтың қәдирин бил

 

9Ҳәй, өспирим! Жаслық шақта кеўил көтер.
Жаслық шағыңда жүрегиң сени шадлыққа бөлесин.
Кеўлиң күсеген, көзиң қәлеген нәрсени исле.
Бирақ булардың барлығы ушын, Қудайдың сени ҳүким қылатуғынын билип қой.
10Сонлықтан жүректен қайғыны қуўып,
Денеңнен азапты алып тасла.
Себеби балалық та, жаслық та тез өтип кетеди.[6]

 

12

 

1Қайғылы күнлер, яғный ақырғы күнлер келип:
«Мен олардан ҳеш рәҳәт таппадым», – деп айтпасыңнан алдын,
Жаслық шағыңда Жаратыўшыңды еске ал!
2Қуяш, жарықлық, ай ҳәм жулдызлар гүңгиртленип,
Жаўын изинен және қара бултлар қапламастан алдын,
Оны еске ал!
3Сол күн келгенде,
Үйди қорғайтуғынлар қалтырайды,
Күшлилер ийиледи,
Дигирман тартыўшылар аз қалғанлықтан, исин тоқтатады,
Терезеден сыртқа қарайтуғынларды гүңгирт тартады.
4Көшеге қараған қапылар жабылады,
Дигирманның сестин еситпейтуғын болады.
Қус сестинен оянады,
Бирақ сайрағанын зорға еситеди.
5Бәлентликтен қорқатуғын болып қалады,
Көшеге шығыўға жүрексинбейди,
Бадам ағашы ақ түске енеди,
Шегиртке сүйретилип қалады,
Ҳеш бир мийўе қуштарлық оятыўға жәрдем бермейди.
Себеби адам өзиниң мәңгилик үйине кирежақ,
Көше жоқлаў айтып жылағанларға толып кетеди.

 

6Сонлықтан гүмис шынжыр үзилип,
Алтын кесе сынбастан,
Булақ басындағы гүзе қыйрап,
Қудық үстиндеги суў тартқыш үзилместен,
7Топырақтан исленген денең жерге қайтпастан,
Қудай берген руўхың да Қудайға қайтпастан бурын,
Өзиңди Жаратқанды еске ал!
8Бийҳуда, бийҳуда! – дейди Ўазшы, – Ҳәммеси бийҳуда!

 

Соңғы сөз

 

9Ўазшы дана адам болып ғана қоймай, билгенлерин халыққа да үйретти. Ол көплеген нақыл-мақалларды ой елегинен өткизип, изертледи ҳәм қайта ислеп, орны-орнына қойды. 10Ўазшы терең мәнили сөзлерди изледи, ол ҳақыйқат сөзлерин дурыс жазды.
11Даналардың сөзлери шопанның ушлы таяғына, жыйналған нақыл сөзлер беккем қағылған шегеге уқсайды. Бул сөзлер бир Шопан тәрепинен бериледи. 12Булардан тысқары, балам, мыналарды билип қой: көп китап жазыўдың шеги жоқ, көп китап оқыў денени шаршатады.

 

13Ҳәмме нәрсе айтылды, енди жуўмақты тыңлайық:
Қудайдан қорқ, Оның буйрықларын орынла!
Бул ҳәр бир адамның парызы.
14Себеби Қудай ҳәр бир исти,
Жасырын исленген жақсы-жаман ислердиң ҳәммесин ҳүким қылады.

 

 

 

Юнус

Юнус китабы

 

 

1

 

Юнустың Жаратқан Ийеден қашыўы

 

1Жаратқан Ийе Амиттай улы Юнусқа былай деди: 2«Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, халқына ўаз айт. Себеби олардың жаўызлықлары Маған жетип келди».
3Бирақ Юнус Жаратқан Ийеден Таршишке қашпақшы болды. Ол Яфо[1] қаласына келип, Таршишке[2] баратуғын бир кемени тапты. Жол ҳақысын төлеп, кемеге отырды да, Жаратқан Ийениң нәзеринен қашыў ушын, Таршишке қарай жолға шықты.
4Сонда Жаратқан Ийе теңизге күшли самал жиберди. Теңизде қәҳәрли даўыл көтерилип, кеме шыл-пәрше болып сынып кетейин деп қалды. 5Кемешилерди қорқыныш бийлеп, ҳәр бири өз қудайына даўыслап жалбарына баслады ҳәм кемени жеңиллетиў ушын жүклерди теңизге таслады. Юнус болса, кемениң төменги қабатына түсип жатып, терең уйқыға кеткен еди.
6Кеме басшысы Юнустың жанына барып: «Ҳәй! Сен қалай уйықлап атырсаң? Тур, өз қудайыңа жалбарын. Мүмкин, ол бизлерди есине алар ҳәм бизлер аман қалармыз», – деди.
7Соңынан кемешилер бир-бирине: «Келиңлер, шек таслайық ҳәм бул апат басымызға ким себепли түскенин билейик», – деди. Олар шек таслады ҳәм шек Юнусқа түсти.
8Олар Юнустан:
– Бизлерге айт, бул апат бизлердиң басымызға сен себепли түскен жоқ па? Кәсип-кәриң не, қаяқтан киятырсаң? Өзиң қай жерлисең ҳәм қайсы миллетке тийислисең? – деп сорады.
9Юнус:
– Мен евреймен, теңизди ҳәм жерди жаратқан аспанның Қудай Ийесине сыйынаман, – деп жуўап берди.
10Кемешилерди қатты қорқыныш бийлеп, олар Юнустан: «Неге булай иследиң?» – деп сорады. Олар Юнустың Жаратқан Ийеден қашып киятырғанын билетуғын еди. Өйткени Юнус оларға буны айтып берген еди.
11Теңиз қутырыўын кем-кемнен күшейте берди. Олар Юнустан:
– Теңиздиң тынышланыўы ушын бизлер саған не ислеўимиз керек? – деп сорады.
12Ол:
– Мени көтерип, теңизге ылақтырың, сонда ол тынышланады. Себеби бул күшли даўылға мен себепли дуўшар болғаныңызды билемен, – деп жуўап берди.
13Бирақ, кемешилер қурғақлыққа жетиў ушын бар күшлерин салып ескек ессе де, жете алмады. Өйткени теңиз оларға қарсы қутырыўын кем-кемнен күшейте берди. 14Сонда олар Жаратқан Ийеге даўыслап былай деди: «О, Жаратқан Ийе! Саған жалбарынамыз, усы адамның жаны себепли бизлер набыт болмайық. Егер ол айыпсыз болса, оның қаны ушын бизлерди жуўапкер қылма. Себеби Сен, Жаратқан Ийе, Өзиңе мақул болған исти иследиң». 15Соңынан олар Юнусты теңизге ылақтырып жиберди. Сонда қутырып турған теңиз тынышланды.
16Бул ўақыя себепли кемешилер Жаратқан Ийеден қатты қорқып қалды ҳәм Оған арнап қурбанлық шалып, ўәделер берди.

 

2

 

1Сол ўақытта Жаратқан Ийе Юнусты жутыўы ушын үлкен бир балықты жиберди. Юнус үш күн, үш түн усы балықтың ишинде болды.
2Юнус балықтың ишинде өзиниң Қудай Ийесине былай деп дуўа етти:

 

Юнустың дуўасы

 

3«Аўыр жағдайға түскенимде,
Сени шақырдым Жаратқан Ийе!
Жуўап бердиң Сен маған.
Өлилер мәканының[3] түпкиринен,
Жәрдем сорап бақырдым,
Еситтиң Сен даўысымды мениң.
4Тереңликке, теңиз түбине ылақтырдың мени,
Қоршады суў ағыслары әтирапымды.
Пүткил суўларың да, қутырған толқынларың да,
Басып өтти үстимнен мениң.
5Сонда мен былай дедим:
„Қуўылғанман Сениң алдыңнан,
Бирақ көремен және мухаддес Ибадатханаңды“.
6Суўлар мени туншықтырды,
Қоршап алды түпсизлик те,
Басыма шырмалды теңиз шөплери.
7Түстим таўлар түбине,
Қамалдым қапылары мәңгиге илинген жерге.
Бирақ Сен, Қудай Ийем,
Шуқырдан қутқардың жанымды мениң.
8Жаным алқымыма тақалғанда,
Еске алдым Жаратқан Ийени,
Мениң дуўам Саған,
Жетип барды мухаддес Ибадатханаңа.
9Жарамсыз бутларға табыныўшылар,
Опасызлық еткен болар.
10Бирақ алғыс-мақтаў айтып мен,
Саған қурбанлық шаламан.
Өзимниң берген ўәдемди орынлайман,
Қутқарылыў келеди Жаратқан Ийеден!»

 

 

11Жаратқан Ийе балыққа буйрық берди ҳәм ол Юнусты қурғақлыққа қусып шығарып жиберди.

 

3

 

Юнустың Ниневияға барыўы

 

1Жаратқан Ийе Юнусқа екинши мәрте былай деди: 2«Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, саған айтатуғынларымды халыққа жәрияла».
3Юнус Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Ниневияға кетти. Ниневия сондай үлкен қала болып, оны басып өтиўге үш күнлик жол жүриў керек еди. 4Солай етип, Юнус қалаға кирип, бир күнлик жолды басып өткеннен соң: «Қырқ күннен кейин Ниневия қыйратылады», – деп жәриялады. 5Сонда Ниневия халқы Қудайға исенди ҳәм олар ораза тутыўды жәриялап, уллысынан кишисине дейин аза кийимин кийди.
6Бул хабар Ниневия патшасына жетип барғанда, ол тахтынан түсип, үстиндеги патшалық кийимлерин шешти ҳәм аза кийимин кийип, күлге отырды[4]. 7Соңынан ол Ниневияда өзиниң ҳәм ақсүйеклериниң атынан мына буйрықты жәриялатты: «Ҳеш бир адам да, ҳайўан да, ири мал да, майда мал да ҳеш нәрсе жемесин, жайлаўға бармасын ҳәм суў ишпесин. 8Адамлар да, ҳайўанлар да аза кийиминде болсын. Ҳәр бир адам Қудайға бар күши менен жалбарынып, өзлериниң жаман жолларынан ҳәм жаўызлық ислеўден ўаз кешсин. 9Ким биледи, мүмкин, сонда Қудай пикирин өзгертер, лаўлаған ғәзебинен қайтар ҳәм бизлер набыт болмаспыз».
10Сонда Қудай ниневиялылардың қылған ислерин ҳәм олардың жаман жолдан қайтқанын көрди. Сонлықтан оларға жаны ашып, жиберемен деген апатты жибермеди.

 

4

 

Юнустың Қудайдың реҳимине ашыўланыўы

 

1Сонда Юнус буған қатты ренжип, ашыўланды. 2Ол Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти: «О, Жаратқан Ийе! Усындай болатуғынын өз елимде болған ўақтымда-ақ айтпаған ба едим? Сонлықтан да мен Таршишке қашқан едим. Себеби Сениң мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги шексиз ҳәм жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай екениңди билетуғын едим. 3О, Жаратқан Ийе, өтинемен, мениң жанымды ал. Себеби тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ».
4Жаратқан Ийе оған: «Сениң ашыўланыўға ҳақың бар ма?» – деди.
5Юнус қаладан шығып, оның шығыс тәрепиндеги бир жерге барып отырды. Ол өзине шертек соғып алып, оның саясында отырды ҳәм қалаға не болатуғынын көриў ушын күте баслады. 6Сонда Қудай Ийе Юнустың басына саясын түсирип, қайғысын жеңиллетсин деп, бир өсимлик өсирип шығарды. Юнус бул өсимликке қатты қуўанды. 7Бирақ келеси күни таң атқанда, Қудай бир қуртты жиберди ҳәм ол өсимликти кемирип, қуўратып таслады. 8Қуяш шыққанда, Қудай шығыстың қапырық самалын естирди. Қуяш Юнустың басын қатты қыздырғанлықтан, ол ҳәлсизлене баслады ҳәм өзине өлим тилеп: «Тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ», – деди.
9Бирақ Қудай оған:
– Өсимлик ушын ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди.
Юнус:
– Әлбетте, ҳәттеки, өлгенше ашыўланыўға ҳақым бар, – деди.
10Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди: «Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр. 11Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?»

 

 

 

Миха

1

 

1Яҳуда патшалары Йотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары морешетли Миха пайғамбарға Самария ҳәм Ерусалим ҳаққында аян болып, Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

 

Самария ҳәм Ерусалимниң ҳүким етилиўи

 

2Ҳәй, пүткил халықлар, қулақ салың!
Ҳәй, жер жүзи ҳәм онда жасаўшылар, тыңлаң!
Ийем, Жаратқан Ийе Өз Мухаддес Ибадатханасынан сизлерге қарсы гүўалық береди.
3Мине, Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып келер,
Жер жүзине түсип, таўлар төбеси менен жүрер.
4Сонда мум отта ерип кеткениндей,
Таўлар Оның аяғы астында ерип кетер.
Төбешиклерден суў ағып түскениндей,
Олар ойпатлыққа қарай төгилер.
5Булардың барлығы Яқып урпағының көтерилиси,
Израил халқының гүналары себепли болар.
Яқып урпағының көтерилисине ким жуўапкер?
Олардың бас қаласы Самария емес пе?
Яҳудадағы төбешиклердеги бутпаразлыққа ким жуўапкер?
Бас қала Ерусалим емес пе?
6Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди:
«Самарияны қырдағы тас үйинине,
Жүзим егилетуғын жерге айландыраман,
Тасларын ойпатлыққа төгип,
Қаланың тийкарын жалаңашлайман.
7Самарияның барлық бутлары бөлек-бөлек етип сындырылар,
Табынатуғын орынлардағы бузықшылық пенен жыйналған саўғалар жандырылар.
Бутлардың барлығын жоқ етемен.
Бузықлық жолы менен жыйналған саўғалар,
Басқа журттағы бузықларға төлем етип алып кетилер».
8Мен, усы себепли жылап, дад саламан,
Жалаң аяқ ҳәм жалаңаш жүремен,
Шағалдай уўылдап, қайғыраман,
Үкидей бозлап, аҳ ураман.
9Себеби Самарияның жарасына шыпа жоқ,
Бул жара Яҳудаға да жабысты,
Жетип келди ол халқымның дәрўазасына, ҳәттеки, Ерусалимниң өзине.
10Бул хабарды душпанымыз Гатқа еситтирмең!
Олардың алдында көз жасыңызды төкпең!
Бейт-Лафрада қайғыдан топыраққа аўнаң!
11Ҳәй, Шафир халқы,
Жалаңаш ҳәм шерменде ҳалында сүргинге кетесиз.
Сенан турғынлары қалаларынан шықпайды,
Бейт-Эсел турғынлары жоқлаў айтып, жас төгеди,
Енди Бейт-Эсел сизлерге жәрдем бере алмайды.
12Марот турғынлары қутқарылыўды,
Сабырсызлық пенен күткен еди,
Бирақ Жаратқан Ийе жиберген апат,
Ерусалимниң дәрўазасына жетип келди.
13Ҳәй, Лахиш турғынлары, атларыңызды саўаш арбаларына қосың,
Қыз Сийонды гүнаға баслаған сизлер боласыз.
Өйткени сизлер Израилдан өрнек алып, гүна иследиңиз.
14Солай екен, ҳәй, Яҳуда халқы,
Морешет-Гатқа саўғаларыңызды берип, хошласа бер.
Жәрдем күтер Израил патшалары Ахзиб қаласынан,
Бирақ олар алданды.
15Ҳәй, Мареша турғынлары,
Жаратқан Ийе қалаңызды басқыншылардың қолына тапсырады,
Израилдың уллы басшылары Адулламдағы үңгирге жасырынады.

 

16Ҳәй, Яҳуда халқы, сүйикли балаларыңыз ушын,
Қайғырып, шашларыңызды алдырың,
Қузғынның басындай етип, тықырлатып таслаң.
Себеби сүргин етилер балаларыңыз.

 

2

 

Жарлыларды езгенлердиң жазаланыўы

 

1Жынаят қылыўды ойлап, ҳәттеки төсегинде жатқанда,
Жаўызлық жобаластыратуғынлар, ҳәсирет шегесиз!
Таң атқанда, олар дүзген жобасын жүзеге асырады.
Себеби олардың күши бар усыны ислеўге.
2Кеўли күсеген атызларды ийелеп,
Зорлық пенен үйлерди тартып алып,
Олар үйдиң адамларын ҳәм мийрас жерлерин басып алып атыр.
3Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен бул халыққа сондай бир апат таярлап атырман,
Буннан ҳеш бириңиз қашып кете алмайсыз.
Басыңызды көтерип, жүре алмайсыз,
Себеби сондай апатшылық заман келеди.
4Сол күн келгенде, сизлерди масқаралап,
Сизлер ҳаққында мынадай қайғылы жыр айтылады:

 

„Бизлер пүткиллей ўайран болдық!
Жаратқан Ийе халқымыздың бары-жоғын басқаларға үлестирди,
Жерлеримизди сатқынларға тарқатып берди“».

 

5Соның ушын, Жаратқан Ийениң халқы қайтадан жерди бөлискенде,
Ҳеш бириңиз шек бойынша үлес жер алмайсыз.
6Олардың пайғамбарлары былай дейди:
«Булар ҳаққында пайғамбаршылық етпе,
Бизлер болмаймыз шерменде.

 

7Ҳәй, Яқыптың нәсили,
Жаратқан Ийениң сабыры таўысылған ба екен?
Ол усындай ислерди қылған ба екен? – деп айтыўыңыз орынлы ма?
Жаратқан Ийениң сөзлери туўры жүрген адамға,
Жақсылық алып келмей ме?»

 

8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Жақында өз халқыңызға душпандай зулымлық қылдыңыз!
Саўаштан қайтқан адамлардай қәўетерсиз жүрген адамларды аңлып,
Олардың ийниндеги шапанын тартып алдыңыз.
9Халқымның ҳаялларының унатқан өз үйлеринен шығарып жибердиңиз,
Жас балалардың несийбесин мәңгиге қырқып тасладыңыз.
10Қәнекей, турың, кетиң бул жерден!
Артық аман-есенлик таба алмайсыз бул елден!
Өйткени гүнаңыз себепли елиңиз толық ўайран болды».
11Жалған сөйлейтуғын өтирикши келип:
«Сизлерге шарап ҳәм өткир ишимлик мол болады, деп пайғамбаршылық қыламан», – десе,
Ол бул халықтың пайғамбары саналады!

 

Үмит ўәдеси

 

12Жаратқан Ийе былай дейди:
«Бирақ ҳәй, Яқып урпағы,
Мен ҳәммеңизди сөзсиз жыйнайман,
Қалған израиллыларды топлайман.
Қорадағы қойлардай, жайлаўдағы сүриўдей етип,
Жыйнайман сизлерди бир жерге,
Сонда толып-тасар елиңиз адамларға».
13Қудай оларға жол ашады,
Тутқынлықтан азат етеди.
Қала дәрўазасынан шығып кетеди.
Патшаңыз болған Жаратқан Ийе оларға жетекши болып, алдында жүреди.

 

3

 

Басшылардың ҳәм пайғамбарлардың гүнасы

 

1Сонда мен былай дедим:
«Тыңлаңлар! Ҳәй, Яқып урпағының басшылары,
Израил халқының ҳүкимдарлары,
Сизлер әдалаттың не екенин билиўиңиз керек емес пе?
2Ал сизлер болса, жақсылықтан жеркенип,
Жаманлықты жақсы көресиз.
Сизлер халқымның терисин сыйырып,
Етин сүйегинен сылып аласыз.
3Халқымның гөшин жейсиз: терисин сыйырып, сүйеклерин майдалайсыз,
Қазанға салынатуғын гөштей, табаға писиретуғын еттей оларды туўрайсыз.
4Жақын арада сизлер Жаратқан Ийеге жалбарынасыз,
Деген менен, сол ўақытта жаўызлық ислегениңиз ушын,
Ол сизлерден жүз бурады».
5Халқын жолдан азғырған,
Өзин тойдырғанға тынышлық тилеген,
Ал аўзын майламағанға урыс жәриялаған пайғамбарларға,
Жаратқан Ийе былай дейди:
6«Соның ушын, үстиңизди қараңғы түн қаплайды,
Қараңғылықтан ҳеш қандай аян көре алмайсыз.
Ҳәй, пайғамбарлар, сизлер ушын қуяш батады,
Күндизиңиз қараңғылыққа айланады.
7Ўәлийлер шерменде болады,
Уятқа қалады палкерлер.
Қудай оларға жуўап бермегени ушын,
Уяттан жүзлерин жаўып алады».

 

8Бирақ мен Яқып урпағына айыпларын,
Израил халқына гүналарын билдириў ушын,
Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке,
Әдиллик ҳәм батыллыққа толаман.
9Қулақ салың, ҳәй, Яқып урпағының басшылары,
Израил халқының ҳүкимдарлары,
Әдилликтен жеркендиңиз,
Ҳақыйқатты бурмаладыңыз.
10Қанлардың есесине тикледиңиз Сийонды,
Әдилсизлик жолы менен қурдыңыз Ерусалимди.
11Басшылар пара алып, ҳүким шығарады,
Руўханийлери дәмегөйлик пенен тәлим береди,
Пайғамбарлары пул алып, пайғамбаршылық қылады.
Сондай болса да, олар:
«Жаратқан Ийе бизлер менен бирге,
Басымызға түспейди ҳеш қандай апат», – деп,
Жаратқан Ийеге арқа сүйегиси келеди.
12Сонлықтан сизлер себепли Сийон атыз сыяқлы сүриледи,
Сизлер себепли Ерусалим қырдағы тас үйинине айланады.
Тоғайлық қаплап алар Ибадатхана турған таўды.

 

4

 

Жаратқан Ийениң басқарыўы

 

1Ақырғы күнлер келгенде,
Жаратқан Ийениң Ибадатханасы қурылған таў,
Барлық таўлардан жоқары болып,
Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болар.
Ығып барар ол жерге халықлар.
2Көп миллетлер келип, былай дейди:
«Келиңлер, Жаратқан Ийениң таўына шығайық,
Яқыптың Қудайының үйине кирейик.
Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин,
Бизлер Оның жолынан жүрейик».
Өйткени нызам шығар Сийоннан,
Жаратқан Ийениң сөзи келер Ерусалимнен.
3Көп халықларды Жаратқан Ийе ҳүким қылар,
Жақын ҳәм узақтағы күшли миллетлер арасындағы,
Жәнжеллерин шешип берер.
Олар қылышлардан гүнделер соғар,
Найзалардан орақлар ислер.
Бир-бирине қылыш көтермес халықлар,
Саўаш қылыўды енди үйренбес олар.
4Ҳәр ким өз жүзимзарының, әнжир ағашының астында тыныш жасайды,
Ҳеш ким оларға абай етпейди.
Буны Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи айтады.

 

5Барлық халықлар өз қудайларына ерсе де,
Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң жолынан мәңги жүремиз.

 

Израил халқы сүргиннен қайтып келеди

 

6Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сол ақырғы күнлер келгенде,
Жыйнап аларман қырғынға ушырағанларды,
Топлайман қуўғын болғанларды,
Азапқа дуўшар еткенлеримди.
7Қырғынға ушырағанларды аман сақлайман,
Қуўғын болғанлардан күшли халық дөретемен,
Сол күннен баслап, мәңгиге Мен, Жаратқан Ийеңиз,
Сийон таўында оларға ҳүкимдарлық қыламан.

 

8Ҳәй, сүриўдиң гүзетиў минарасы,
Қыз Сийонның қорғаны,
Ҳүкимдарлығың өзиңе қайтар,
Ҳәй, қыз Ерусалим, патшалығың қайта тикленер».

 

9Ҳәй, Ерусалим, дад салып, неге зарлайсаң?
Патшаң болмағаны ушын ба?
Толғақ тутқан ҳаялдай неге азап шегесең?
Мәсләҳәтшиң өлгени ушын ба?
10Ҳәй, қыз Сийон, туўып атырған ҳаял сыяқлы,
Аҳ урып, өзиңди ҳәр тәрепке тасла.
Себеби қаладан шығып, шөл далаларға барып қоныслайсаң,
Кейин Бабылға әкетилип, сүргин боласаң.
Бирақ ол жерде сен азатлық табасаң,
Қутқарады сени Жаратқан Ийе душпан қолынан.
11Деген менен, саған қарсы жыйналды бир талай миллетлер,
Сен ҳаққында былай деп айтады олар:
«Келиңлер, Сийонды хорлайық,
Басына түскенлерин тамаша қылайық».
12Бирақ билмейди олар Жаратқан Ийениң нийетин,
Оларды қырманға апарылатуғын дән баўларындай жыйнап атыр,
Оның усы жобасын олар түсинбейди.
13Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, қыз Сийон, тур да, оларды басқылай басла!
Себеби темирден қыларман сениң шақларыңды,
Қоладан ислеймен сениң туяқларыңды,
Езип, майдалап таслайсаң көп халықларды.
Бағышлайсаң Маған алған олжаларыңды,
Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийеге».

 

5

 

1Ҳәй, Ерусалим, әскерлериңди топла!
Душпанлар бизди қамал қылды.
Израил ҳүкимдарының бетине олар таяқ пенен урар.

 

Бейтлеҳемнен шығатуғын көсем

 

2Жаратқан Ийе былай дер: «Ҳәй, Эфрата аймағындағы Бейтлеҳем,
Яҳудадағы қалалардың кишкенеси болсаң да,
Израилды Мениң атымнан басқаратуғын көсем сеннен шығады.
Оның нәсили заманның басланыў дәўирине барып тақалады».
3Соның ушын, ҳәмиледар ҳаял көз жарып, уллы болғанға дейин,
Жаратқан Ийе Израил халқын душпанларға тәслим қылар.
Кейин сол сүргиндеги қалған туўысқанлары қайтып,
Израил халқына қайта қосылар.
4Ол келип, Жаратқан Ийеден алған күши менен,
Қудайы Жаратқан Ийениң атының уллылығы менен,
Сүриўин бағады.
Пүткил дүнья оның уллылығын тән алады.
5Тынышлық орнатыўшы ол болады.

 

Қутқарылыў ҳәм тазаланыў

 

Ассириялылар елимизге ҳүжим етип,
Қорғанларымызды жарып өткенде,
Оларға қарсы жети жетекши ҳәм сегиз басшы тайынлаймыз.
6Олар Ассирия жерлерине қылыш пенен,
Нимрод жерлерине қанжар менен ҳүкимдарлық етеди.
Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, шегарамызға кирип келсе,
Бизлерди усы көсем қутқарар.
7Көп халықлар арасында,
Яқып халқының қалғанлары,
Жаратқан Ийениң жиберген шығындай,
Майса шөплердиң үстине жаўған жаўындай болар.
Олар адамзатқа ғәрезли болмас,
Ҳеш кимнен жәрдем де қүтпес.
8Көп миллетлер ишинде, көп халықлар арасында,
Яқып халқының қалғанлары,
Тоғай ҳайўанлары арасындағы арысландай,
Қой сүриўи арасына кирип алған,
Жас арысландай болады.
Жүрген жолларында ҳәммеге күтилмегенде тасланар.
Олардың қолынан ҳеш ким қутқара алмас.
9Ҳәй, Израил, душпанларыңды жеңесең,
Барлық душпанларың қырылып кетеди.
10Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сол күни атларыңызды қырып таслайман,
Саўаш арбаларыңызды сындырып таслайман.
11Ўайран қыламан елиңиздеги қалаларды,
Жер менен жексен қыламан барлық қорғанларыңызды.
12Сыйқыршылыққа шек қояман,
Араңызда бирде бир палкер қалдырмайман.
13Жоқ қыламан бут ҳәм кийели тасларыңызды,
Артық табынбайсыз қолларыңыз бенен ислеген бутларыңызға,
14Араңыздағы кийели ағашларды қопарып таслайман,
Қалаларыңызды жер менен жексен қыламан.
15Маған бойсынбаған миллетлерге,
Өз қәҳәр ҳәм ғәзебимди төгип, өш аламан».

 

6

 

Жаратқан Ийениң Өз халқын айыплаўы

 

1Жаратқан Ийениң айтқан мына сөзине қулақ салың:
«Қәне, турың! Шағымыңызды таўлар алдында айтың,
Төбешиклер даўысыңызды еситсин».
2Ҳәй, таўлар Жаратқан Ийениң айыплаўына қулақ салың
Ҳәй, жер жүзиниң беккем тийкарлары Оған қулақ түриң,
Себеби Жаратқан Ийе Өз халқына қарсы даўын айтар,
Израил халқы менен тартысар.
3Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, халқым, Мен саған не қылдым?
Қәне, жуўап бер, саған қандай аўырманлығым түсти?!
4Мысырдан сени алып шыққан едим,
Азат еткен едим қуллық мойынтырығынан.
Саған жолбасшы болсын деп,
Муўсаны, Харонды ҳәм Мәриямды жиберген едим.
5Ҳәй, халқым, Моаб патшасы Балақтың сизлерге қарсы жаўыз нийетин,
Беор улы Биламның оған қалай жуўап бергенин есле.
Шиттимнен Гилгалға дейинги болған ўақыяларды есле,
Сонда билип аласаң сени қандай етип қутқарғанымды».

 

Ҳақыйқый бойсыныўшылық

 

6Жаратқан Ийениң алдына не алып барайын?
Жоқарыдағы Қудайға қалай сыйынайын?
Оған арнап жандырылатуғын қурбанлық берейин бе?
Бир жасар бузаўды усынайын ба?
7Оған арнап мыңлап қошқарларды сойсам,
Зәйтүн майын дәрья қылып ағызсам,
Жаратқан Ийениң меннен кеўли толар ма екен?
Айыбым ушын туңғыш улымды берейин бе?
Гүнам ушын өз перзентимди қурбан етейин бе?
8Ҳәй, адамзат, нениң жақсы екенин,
Жаратқан Ийе билдирди саған,
Оның сеннен талап қылатуғыны ибаратдур мынадан:
Әдиллик қылып, сүйиспеншиликке садық бол,
Мүләйим болып, Қудай менен бирге жүр.

 

Израилдың гүнасы ҳәм жазасы

 

9Жаратқан Ийе қала халқына даўыслап былай дейди,
Оған қулақ салыў – даналықдур:
«Ҳәй, тыңлаң, халық ҳәм қала жәмийети!
10Үйлерин ҳарам байлық пенен толтырып атырғанларға,
Тәрезиден жеп атырғанларға қалай итибар бермейин.
11Тәрезиден жегенине,
Надурыс өлшем тас қолланғанына,
Қалай шыдай аламан?
12Зорлық қылады қаладағы байлар,
Жалатайдур қала халқы да,
Тиллеринен болса жалған сөзлер шығар.
13Соның ушын, Мен сизлерди ураман,
Гүналарыңыз ушын ўайран қыламан.
14Сизлер жейсиз, бирақ тоймайсыз,
Ҳәмме ўақытта аш қалады қарныңыз.
Зат жыйнайсыз, оны сақлай алмайсыз,
Жыйнап-тергениңизди қылыш пенен жоқ қыламан.
15Егесиз, бирақ орып алмайсыз,
Зәйтүн майын сығып аласыз,
Бирақ майдан үстиңизге сүрте алмайсыз,
Жүзим искенжеде жүзим сығасыз,
Бирақ оның шарабынан ише алмайсыз.
16Өйткени ердиңиз патша Омрийдиң үрп-әдетлерине,
Патша Ахабтың әўладының жаўыз қылмысларына.
Олардың мәсләҳәти менен жасадыңыз,
Сонлықтан Мен сизлерди жоқ қыламан.
Сизлерди көргенлер үстиңизден күлип,
Масқара қылар барлық халықлар».

 

7

 

Израил халқының жаўыз ислери

 

1Ўаҳ, сорым қурыды!
Жүзимзар жыйын-терими болынып,
Жазғы мийўелер терип алынғаннан соң,
Шақаларынан жеўге бир солқым да таба алмаған,
Бир дана әнжирге зар болған адам сыяқлыман.
2Бул елде Қудайға садық адам қалмады,
Дурыс жүрген ҳеш ким қалмады адамлар арасында.
Қан төгиў ушын адамлар аңылыр буққыда,
Дузақ қурар туўысқанлар бир-бирине.
3Жаманлық қылыўға шебердур олар,
Ҳәмелдар ҳәм қазы пара алар.
Күшли адам қәлегенин зорлық пенен қылдырар,
Биргеликте ҳақлықты бузып көрсетер.
4Олардың ең жақсысы жантаққа уқсар,
Ҳүжданлысы болса, тикенектен бетер.
Бирақ гүзетшилери – пайғамбарлары ескерткениндей оларды,
Жетип келди жазаланатуғын күнлери,
Енди олар сасқалақлап қалады.
5Исенбең қоңсыңызға, сүйенбең достыңызға.
Қойныңызда ҳаялыңыз жатқанда,
Қум қуйың аўзыңызға.
6Өйткени сол ўақытлары ул өз әкесин хорлайды,
Қыз анасының бетинен алады,
Келин болса, қәйин енесине қарсы турады.
Адамның душпанлары өз үй-иши болады.
7Бирақ мен Жаратқан Ийеге көз тигемен,
Қутқарыўшым болған Қудайды үмит пенен күтемен,
Сөзсиз еситер мени Қудайым мениң.

 

Жаратқан Ийениң қутқарыўы

 

8Жағдайымды көрип, шад болмаң, ҳәй, душпанларым!
Жығылсам да, өзим тураман.
Қараңғылықта қалсам да, Жаратқан Ийе маған нур болады.
9Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим.
Енди Оның ғәзебине шыдайман.
Бирақ Ол мени жақлап, ақлайды.
Жарықлыққа мени алып шығады,
Сонда Оның әдиллигин көремен.
10Душпаным буны көреди,
«Қудайың Жаратқан Ийе қай жерде?» –деп масқара қылған,
Сол душпаным шерменде болады.
Оның қулаўын өз көзим менен көремен,
Солай етип, аяқ асты болар көшедеги батпақ сыяқлы.

 

11Ҳәй, Ерусалим, мынадай ўақыт келер.
Сениң дийўалларың қайта қурылар,
Шегараң сениң кеңейип кетер.
12Сол ўақытта ҳәмме жерден халықлар келер.
Ассириядан Мысырға дейин,
Мысырдан Евфрат дәрьясына дейин созылған жерлерден,
Узақ теңиз бойларынан ҳәм алыс таўлар жанбаўырларынан,
Ағып келер көп халықлар.
13Бирақ ишинде жасап атырғанлардың қылмысларынан,
Дүнья жүзи қаңырап босап қалар.

 

Миханың дуўасы ҳәм Жаратқан Ийеге алғыс айтыўы

 

14Оҳ, Жаратқан Ийе, халқыңның шопаны бол,
Әтираплары өнимдарлы жерлер,
Бирақ тоғай ишинде жалғыз жасайтуғын сүриўиңди,
Өз ҳасаң менен басқара гөр.
Узақ өтмиште болғанындай,
Башан ҳәм Гилад жайлаўларында отлата гөр.
15Бизлерди Мысырдан алып шыққан күнлериңдей,
Кәраматларыңды көрсет халқың ушын.
16Кәраматларыңды көрген миллетлер,
Күш-қүдиретлерине сай шерменде болар.
Қорқыныштан қоллары менен аўызларын басып,
Қулақлары олардың герең болып қалар.
17Жылан ҳәм жер баўырлаўшылар сыяқлы топырақ жалайды олар,
Қорққанынан титиреп қорғанларынан шығар.
Оҳ, Қудайымыз Жаратқан Ийе, олар ҳүрейи ушып,
Қалтырап Сениң алдыңа келер.

 

18Оҳ, Қудай, Саған уқсасы бар ма екен?
Өз халқыңның қалғанларының
Жынаятларын ҳәм көтерилислерин кеширетуғын басқа Қудай жоқдур.
Мәңгиге ғәзепленбессең халқыңа,
Себеби садық мийримиңди көрсетиўди мақул көресең.
19Сен бизлерге және мийрим-шәпәәт қыларсаң,
Езип тасларсаң айыпларымызды аяғың астында,
Пүткил гүналарымызды теңиз түбине ылақтырасаң.
20Өтмиште ата-бабаларымызға, Ибрайымға ҳәм Яқыпқа ант ишип, ўәде бергенсең,
Олардың урпағына берген ҳақыйқат сөзиңде садық боласаң.

 

 

Нахум

1

 

1Бул Ниневия қаласы ҳаққында пайғамбаршылық сөзи. Элқошлы Нахумға берилген аян мынадай:

 

Жаратқан Ийениң Ниневияға қарсы ғәзеби

 

2Жаратқан Ийе – қызғаншақ, өш алыўшы Қудайдур,
Ол өш алады ҳәм ғәзепке толыдур.
Қарсы шыққанлардан өш алар,
Душпанларына қарсы ғәзепленип жүрер.
3Жаратқан Ийе сабыр-тақатлы,
Бирақ Ол күшли, қүдиретлидур.
Айыплының айыбын сөзсиз жазалайды,
Жүрген жолы боран болады,
Оның аяқ астынан шаңдай қойыў бултлар көтериледи.
4Ол бир буйрық пенен қурғатар теңизди,
Кептирип таслар пүткил дәрьяларды.
Қуўрап қалар Башанның ҳәм Кармел таўының жасыл шөплери,
Солып қалар Лебанонның гүллери.
5Жаратқан Ийениң алдында титирер таўлар,
Дәргайында төбешиклер ерип кетер.
Ол көрингенде, жер силкинер,
Пүткил жер жүзи ҳәм ондағы барлық қалтырап кетер.
6Ким қарсы тура алар Оның қәҳәрине?
Ким шыдай алар Оның отлы ғәзебине?
Ғәзеби оттай лаўлап жайылар,
Жартаслар шыл-пәрше болып кетер.

 

7Жаратқан Ийе жақсыдур,
Қыйналған ўақытта қорғандур,
Қорғайды Ол Өзинен пана тапқанларды.
8Бирақ күшли суў тасқыны менен жоқ етер Ниневияны,
Душпанларының изине түсип, қараңғылыққа айдайды.
9Жаратқан Ийеге қарсы ҳеш қандай жоба дүзбе!
Өйткени Ол сени жоқ қылады.
Екинши мәрте Оған қарсы тура алмайсаң.
10Беккем шырмалған тикендей, мәс болып батырдай болсаңыз да,
Қурғақ сабандай жандырылып жоқ боласызлар.
11Ҳәй, Ниневия, Жаратқан Ийеге қарсы жоба дүзетуғын,
Жаўыз мәсләҳәт беретуғын сеннен шықты.

 

12Жаратқан Ийе Яҳуда халқына былай дейди:
«Ассирияллылар күшли ҳәм сансыз болғаны менен де,
Олар қырылып, жоқ болып кетеди.
Ҳәй халқым, сениң басыңды азапқа салған едим,
Енди буннан булай азапқа дуўшар етпеймен,
13Мойынтырығыңды сындырып, Ассирияның қолынан азат қыламан».

 

14Ассирия ҳаққында Жаратқан Ийе былай деп жәриялады:
«Атыңызды даўам етиўши зүрядыңыз болмасын,
Жоқ қыламан қудайларыңның үйиндеги бут мүсинлерди,
Жағымсыз халық болғаның ушын, таярлайман қәбириңди».

 

15Мине, хош хабар алып келиўши,
Тынышлық хабары менен таўлардан асып келер.
Ҳәй, Яҳуда халқы, белгиле байрамларыңды,
Орынла Қудайға берген ўәделериңди .
Енди душпанларың бастырып келмес елиңе,
Өйткени толығы менен жоқ етилди олар.

 

2

 

Ниневияның қулаўы

 

1Басқыншылар бастырып киятыр, ҳәй Ниневия, қорғаныңды беккемле,
Жолларды қадағала, белиңди беккем буўып, бар күшиңди жыйна.

 

2Душпанлары Израилды тас-талқан етип,
Жүзимбағларын ўайран еткен еди.
Бирақ Яқыптың алдынғы уллылығын қайта тиклегендей етип,
Жаратқан Ийе Израилдың уллылығын да қайта тиклейди.

 

3Ниневия, душпаныңның әскерлериниң қалқаны қып-қызылдур,
Ләшкерлериниң кийими қырмызы реңдур,
Саўаш арбалары саўаш күни жалындай жалтылдайды,
Найзалары ҳаўада шайқалып турады.
4Көшелер бойлап желип ушар саўаш арбалары,
Зуўылдайды қала майданларында арман-берман,
Жанып турған шом сыяқлы от шығарып, жылдырым сыяқлы жарқырайды.
5Сәркәрдасы ләшкербасыларын жыйнайды,
Алға басқанда, олар өз жолында асығады.
Қалқанларын өзлерине пана қылып,
Қала дийўалына жапырылады.
6Дәрья бөгетлери ашылады,
Сарай суў менен шайылып, жер менен жексен болады.
7Алдын ала жәрияланғандай сүргин етилер Ниневия,
Оның шорылары кептердей нала шегер,
Өкиништен олар көкирегине урар.
8Ниневия қаласы суўы жығып кеткен ҳаўыз яңлы,
Қашып кетер ишиндеги халықлар,
Артынан: «Тоқтаңлар, тоқтаңлар!» деп бақырар,
Бирақ қайрылып қарамас ҳеш ким артына.

 

9Тоналған алтын менен гүмиси,
Таўысылмайды Ниневияның қымбатбаҳа затлары,
Ол толыдур ҳәр түрли ғәзийнеге.

 

10Қулады, жер менен жексен болып, ўайран болды Ниневия.
Қорқыныштан жүреклери суўлап кетти,
Дизелери қалтырап, титиреп кетти денелери,
Солғын тартып, бозарды ҳәр бириниң жүзи.

 

11Не болып қалды арыслан инине уқсаған Ниневияға?
Арыслан өз балаларын баққан сол жерге.
Арыслан ҳәм ана арыслан жүрген ўақытта,
Қәўип-қәтерсиз еди олардың балалары.
12Арыслан жетерлише аң аўлаған еди балалары ушын,
Ана арыслан ушын олжаларын баўызлаған еди.
Аўлаған аўлары менен өз инин,
Олжалар менен толтырған еди өз уясын.

 

 

13Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийе былай дейди: «Саған қарсыман, ҳәй, Ниневия! Саўаш арбаларыңды жандырып жиберемен. Жас арысланларың қылыштан өледи. Ендигиден былай, сен тонаўшылық қыла алмайсаң. Хабаршыларыңның даўысы артық еситилмейди».

 

3

 

1Ҳәсирет шегесең, ҳәй, қоллары қан қала!
Жалғанға ҳәм талан-тараж етилген затларға толған қала.
Ол жердеги тонаўшылық ҳеш қашан таўысылмас.
2Еситилер қамшының тарсылдысы ҳәм дөңгелеклердиң дүсирлиси,
Шаўып баратырған ат туяқларының даўысы,
Саўаш арбаларының тасыр-тусырлысы.
3Ҳүжимге кирди атлы әскерлер,
Қылышлар жалт-жулт етер, найзалар жылтырар,
Үйилип кетти өли денелер,
Сансыз болып кетти өликлер,
Буларға сүрнигип атыр адамлар.
4Булардың барлығы, Ниневия, өзиңниң шексиз бузықлықларың себепли басыңа түседи.
Суйық аяқлық пенен адамларды өзине тартқан сыйқыршы ҳаял сыяқлы,
Бузықлығың менен халықларды өзиңе тутқын қылып,
Сыйқыршылығың менен өзиңе қул еткен едиң.
5Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Саған қарсыман, ҳәй Ниневия!
Мен сениң көйлегиңниң етегин жоқары көтерип,
Миллетлерге жалаңаш денеңди көрсетип,
Патшалықлардың алдында шерменде қыламан.
6Үстиңе тасланды таслап, сени хорлайман,
Адамларға тамаша боласаң сен.
7Сени ким көрсе де артқа шегинип, былай дейди:
„Ўайран болды Ниневия,
Ол ушын кимниң жаны ашыйды екен?“
Сени жубататуғын ҳеш ким жоқ».

 

8Мысырдың бас қаласы Тебестен[1] сениң қай жериң артық еди?
Дәрья бойында жайласқан еди сол қала да,
Суў менен қоршалып, қорғаны Нил дәрьясы еди,
Суўлар оның қорған дийўаллары болған еди.
9Куш ҳәм Мысыр оның шексиз күшиниң булағы еди,
Пут ҳәм Либия да оның аўқамласлары еди.
10Солай болса да, Тебес халқы сүргин етилип, тутқынға алып кетилди,
Ҳәр бир көшениң басында тасқа урып өлтирилди нәрестелери.
Ақсүйек беклери ушын шек тасланды,
Шынжыр менен кисенленди барлық уллы адамлары.
11Ҳәй, Ниневия, сен де мәс болып, тентиреклеп жүресең,
Сен де душпанларыңнан жасырынатуғын жер излейсең.
12Сениң барлық қорғанларың,
Әнжир ағашының биринши пискен мийўесине мегзер.
Ағашты силкиткенде, әнжирлер жейтуғынның аўзына түсер.
13Әскерлериңе қара! Ҳаял адамнан парқы жоқ олардың,
Дәрўазаларың душпанлар ушын кең ашылар.
От жағып жоқ қылды дәрўазаларыңның тәмбилерин.
14Қамалға түсетуғын ўақтың ушын суўыңды толтыр,
Беккемле қорғанларыңды!
Гербиш таярлаў ушын ылайды ийле,
Қуятуғын қәлиплериңди таярла.
15Бәри бир от жалмап сени жутып жибереди,
Қылыш сени қырып таслайды.
Жас шегирткелер егинлерди жеп жоқ қылғандай,
Душпанларың сени жоқ қылады.
Сизлер шегирткелердей көбейе бериңлер!
16Аспандағы жулдызлардан да көп саўдагерлериң,
Олар жас шегирткелер яңлы елиңди талан-тараж етер,
Кейин қанат қағып ушып кетер.
17Сениң ҳүкимдар ҳәм хызметкерлериң,
Суўық күнде дийўалларға қонатуғын,
Ал қуяш шыққанда ушып кетип, ғайып болатуғын шегирткелерге уқсайды.
18Ҳәй, Ассирия патшасы, ел басқарыўшыларың өлди,
Ақсүйеклериң болса, мәңги уйқыға кетти,
Тарап кетти халқың таўларға.
Оларды жыйнайтуғын ҳеш ким қалмады.
19Жарақатыңның даўасы жоқ, жараларың өлимге алып барар.
Сениң аўҳалыңды еситкен барлық адамлар,
Шадланып қолларын шаппатлар.
Өйткени сениң шексиз жаўызлығыңнан азап шекпеген адам бар ма еди?
Ҳеш ким қашып қутыла алмаған еди.

 

 

 

Хабаққуқ

1

 

1Бул пайғамбаршылық сөз – Хабаққуқ пайғамбарға аян арқалы берилген хабар.

 

Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге нала шегиўи

 

2О, Жаратқан Ийе, қашанға дейин Сени жәрдемге шақыраман,

 

Маған қулақ саласаң ба, өзи?
«Зорлық-зомбылық!» деп жалбарынып атырман,
Бирақ бизлерди қутқармай атырсаң Сен!
3Не ушын жаўызлықты көзим менен көриўиме жол қойдың?
Сондай наҳақлыққа қалай қарап турыпсаң?
Қаяққа қарасам да талан-таражлық ҳәм зорлық-зомбылық.
Ҳәмме жерде даў ҳәм жәнжеллер толып кетти.
4Сонлықтан нызам өз күшин жойтып, әдиллик аяқ асты болды,
Жаўызлар әдил адамлардан үстин келди,
Солай етип, әдиллик бурмаланды.

 

Жаратқан Ийениң жуўабы

 

5Кейин Жаратқан Ийе былай деди:
«Дыққат пенен қараңлар басқа халықларға,
Таң қаласызлар көргенлериңизге.
Сизлердиң дәўириңизде сондай ислер қыламан,
Еситкен ўақтыңызда, исене алмайсызлар.
6Мине, Мен бабилонлыларды күшли қыламан,
Бул халық жаўыз ҳәм тынымсыз.
Олар дүньяның төрт тәрепине жүрис қылады,
Басқа халықларға тийисли жерлерди басып алады.
7Олар қорқынышлы ҳәм қәўиплидур,
Өзине хан, өзине бий болған менмен халықдур.
8Олардың атлары қапланнан тез,
Түнде жүретуғын аш қасқырлардан да қәўиплидур.
Атлы әскерлери жерди шаңғытып, узақтан келер,
Олжасына тасланатуғын бүркит яңлы ушып келер.
9Олардың ҳәммеси киятыр тонаў ушын,
Ордалары шөл қуйынындай алға талпынып,
Олар қум жыйнағандай тутқынларды жыйнап келер.
10Патшаларды мазақлап, басшыларды масқара қылады,
Қорғанлы, беккем қалалардың үстинен күледи,
Сол қалалардың дийўалларына қыя етип, топырақ үйип,
Кейин оларды қолға алады.
11Соннан кейин, олар самал сыяқлы тез өтип кетеди,
Бул гүнакар адамлар өз күшин қудай, деп есаплайды».

 

Хабаққуқтың Жаратқан Ийеге және нала шегиўи

 

12О, Жаратқан Ийе, Мухаддес Қудайым,
Ҳәмме ўақытта бар болған Сен емессең бе?
Солай екен, бизлер жоқ болып кетпеймиз.
О, Жаратқан Ийе, бизлерди жазалаў ушын, бабилонлыларды таңладың,
О, мениң сүйенген Таўым, жазалаў ҳуқықын соларға бердиң.

 

13Жаўызлықты көргиси келмейтуғын сондай пәкдур Сениң көзлериң,
Хош көрмейсең Сен наҳақлықты.
Не ушын енди усы жаўыз адамларға шыдап атырсаң?
Жаўызлар өзлеринен гөре әдиллерди жутып атырғанда, қалайынша үнсиз турыпсаң?
14Сен адамзатты теңиздеги балықлардай,
Басшысы жоқ шыбын-ширкейлердей қылдың.
15Бабилонлылар олардың барлығын өз қармағына түсирер,
Тор таслап балық аўлағандай етип, оларды аўлар.
Аўлары менен тутып алып, жыйнап алар,
Сонда олар қуўанып, шадланар.
16Аўлары арқалы олар көп олжа алады,
Жақсы аўқатлар менен аўқатланады,
Сол себепли, аўлары ушын қурбанлықлар шалады.
Аўларына арнап, түтетки түтетеди.
17Қашанға дейин, олар аўлары менен еллерди аўлап,
Халықларды аяўсыз өлтириўди даўам етеди?

 

2

 

1Мен гүзетши минарасына шығып,
Минараның үстинде қарап тураман,
Жаратқан Ийениң жуўабын күтемен.
Мениң налаларыма қандай жуўап беретуғынын көремен.

 

 

Жаратқан Ийениң Хабаққуққа берген жуўабы

 

2Сонда маған былай деп жуўап берди Жаратқан Ийе:
«Тасларға анық қылып жаз саған аян қылғанларымды,
Ҳәр бир адам бир қарағаннан оқый алатуғын болсын.
3Бул аян белгиленген ўақытта әмелге асады,
Сол ўақыт тез арада келеди, бул аян жалған емес.
Егер де кешиккендей болып көринсе, сабыр ет,
Ол әлбетте кешикпей орынланады.
4Қара, менмен адам туўры жолдан жүрмегени ушын өледи,
Ал әдил адам Қудайға деген исеними менен жасайды.

 

5Байлық[1] алдамшыдур,
Менмен адам тыным таппайды,
Ол өлилер мәканына уқсап,
Өлим сыяқлы ҳеш қашан тоймайды.
Соның ушын, еллерди басып алып, халықларды тутқын қылады.

 

6Тутқынға түскен халықлар оның үстинен күлип, мазақлап былай дейди:

 

„Ҳәй, өзине тийисли болмағанды талап, бир үйин қылған,
Ҳәсирет шегесең, басқалардың затларын тонап, қарызыңды арттырған,
Бул жағдай қашанға дейин даўам етер еди?“
7Қарызыңды қайтарыўды талап қылатуғынлар тосаттан пайда болады,
Олар келип, сени қорқыныш ишинде қалдырады,
Сонда сен олар ушын олжа болып қаласаң.
8Сен көп халықларды тонап, қан төктиң.
Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың,
Соның ушын, олардан аман қалғанлары сени талайды.
9Үйин жаўызлық пенен байлыққа толтырған,
Апаттан қашыў ушын, үйин бийикке қурған, ҳәсирет шегесең!
10Сен өз ҳийлең менен,
Өз урпағыңа шерменделик алып келдиң,
Көп халықларды қыйратқаның ушын,
Апат алып келдиң өз басыңа.
11Ҳәттеки, үйиңниң дийўал таслары сени бәләәтайды,
Өре ағашлары да оларға қосылып жаңғырады.
12Ҳәй, қан төгип қала қурған, ҳәсирет шегесең,
Ҳәй, зорлық-зомбылық пенен қорған салған, ҳәсирет шегесең!
13Халықлардың барлық еткен еңбеклериниң жанып кетиўи,
Миллетлердиң соншелли ислеген мийнетлериниң босқа шығыўы,
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң иси емес пе?
14Өйткени суўлар теңизди қандай етип толтырып турған болса,
Жер жүзи Жаратқан Ийениң уллылығының билими менен толады.
15Ҳәсирет шегесең! Ҳәй, жалаңаш денелерин тамаша қылыў ушын,
Қоңсы халықларға мәс болғанынша өзиңниң ғәзеп шарабыңнан иштирген.
16Сен абырай орнына шерменделикке бөленесең,
Енди гезек саған келди, сен иш ҳәм көринсин сүннетсиз жалаңаш денең.
Жаратқан Ийе саған иштирер оң қолындағы жазаға толы кесесин,
Сөйтип абырайыңды төгип, шерменде қылар.
17Лебанон тоғайларында қылған зорлық-зомбылығың өз басыңа түседи,
Жабайы ҳайўанларды қырып тасладың,
Енди сол ислеген жаўызлығың өзиңди қорқыўға салады.
Адамзаттың қанын төктиң,
Еллерге, қалаларға ҳәм ондағы халықларға зорлық-зомбылық қылдың.
18Адамзаттың қолдан соққан ойма ҳәм қуйма бутлары неге жарайды?
Олардың не пайдасы бар жалғаннан басқа?
Адам өзи соққан бутына исенер,
Бирақ соққан буты тилсиз бир үнсиз затдур.
19Ағаш бутқа „Оян!“ деп айтқан,
Тилсиз тасқа „Тур!“ деп жалбарынған, ҳәсирет шегесең!
Бут саған туўры жолды көрсете алар ма еди?
Олар алтын ҳәм гүмис пенен қапланғандур,
Бирақ оның ишинде өмир жоқ.
20Ал Жаратқан Ийе – Өз мухаддес Ибадатханасында,
Үнсиз турсын пүткил дүнья Оның алдында».

 

3

 

Хабаққуқтың дуўасы

 

1Пайғамбар Хабаққуқтың дуўасы, бул жыр[2] менен айтылады.

 

 

2О, Жаратқан Ийе, даңқыңды еситтим,
Сениң ислеген ислериңе таң қалдым,
Бизиң заманымызда да сондай ислерди және исле, о, Жаратқан Ийе,
Енди ҳәммеге мәлим болсын нелер ислей алатуғының.
Мийрим-шәпәәтиңди умытпа ғәзепленгениңде!

 

3Қудай жәрдемге келеди Теманнан,
Мухаддес Қудай келер Паран таўынан.
Оның уллылығы қаплайды аспанды,
Оған арналған алғыс-мақтаўлар дүньяны толтырады.

 

4Оның нуры жылдырымдай жарқырар,
Нур шашылар Оның қолларынан,
Күш-қүдирети қолларында жасырынғандур.
5Ол Өзиниң алдынан кеселликлер жиберер,
Өлтиретуғын обаға изинен жүриўди буйырар.
6Ол турғанда жер силкинеди,
Нәзер таслағанда, халықлар титирейди.
Әййемнен киятырған таўлар қулап түсип,
Бурыннан бар болған төбешиклер шөгип, Оған бас ийеди,
Мәңгидур Қудайдың жоллары.
7Кушан адамларының өз шатырларында қорққанын,
Мидия жеринде жасайтуғын адамлардың титирегенин көремен.
8О, Жаратқан Ийе, сайларға ашыўландың ба?
Ғәзеплендиң бе дәрьяларға?
Ямаса өшиң бар ма еди теңизде?
Халқың ушын миндиң бе жеңилмес атларыңа ҳәм саўаш арбаларыңа?
9Сен атыў ушын оқ жайыңды аласаң,
Оқларыңды атыўға таярлайсаң. Селаҳ.
Жер жүзин дәрьялар менен қақ бөлип таслайсаң.
10Тилтиреп кетер таўлар Сени көргенде,
Селлер тасып, барлық нәрсени жуўып кетер,
Теңиз түплери шырқырап, толқынлары көтерилер.
11Сениң оқларыңның ушқан нурынан,
Жылтыраған найзаңның жылтыраўынан,
Өз орнында қатып қалар қуяш пенен ай.
12Сен басып өтерсең жер жүзин ғәзеп пенен,
Халықларды қәҳәриң менен басып езерсең.
13Өзиң таңлаған халықты ҳәм тайынлаған патшаны қутқарыў ушын келесең,
Жаўыз елдиң басшысын тас-талқан етесең,
Толық жоқ қыласаң жаўыз патшалықтың күшлерин.
14Душпан әскерлери бизлерди дағытыў ушын қуйындай болып келер,
Буққы таслап, ҳәлсиз адамларды талан-тараж етер,
Сөйтип, олар шадланып қуўанар.
Ал Сен олардың басшысын өз найзасы менен өлтиресең.
15Атларың менен теңизди басып,
Уллы суўларды үйир етип, айландырасаң.

 

16Буларды еситкенимде, ләрзеге келди денем,
Қалтырап кетти мениң еринлерим,
Ерип кеткендей болды сүйеклерим,
Дәрмансызлықтан дизелерим титиреди.

 

Бирақ бизлерге ҳүжим қылғанлардың апатшылық күнин,
Күтемен мен сабырлылық пенен.

 

17Ҳәттеки, әнжир ағашы мийўелемей қалса,
Жүзим ағашлары жүзим бермесе,
Өним бермесе де зәйтүн ағашлары,
Атызларда зүрәәт болмай қалса да,
Қой қоралар босап қалса да,
Падада маллар қалмаса да,
18Мен бәри бир Жаратқан Ийениң саясында шадланаман,
Қутқарыўшым Қудайыма қуўанаман.
19Ийем, Жаратқан Ийе күшимдур мениң,
Ол аяқларымды кийиктиң аяғындай шаққан қылар.
Таўлардың үстинен мени жүргизер.

 

 

Сазшылар басшысына: Тарлы саз әсбаплар менен айтылады.

 

 

 

Хаггай

1

 

Жаратқан Ийениң Ибадатхананы қайтадан қурыўды буйырыўы

 

1Патша Дарийдиң[1] патшалығының екинши жылының алтыншы айының биринши күнинде Жаратқан Ийеден Яҳуда ҳәкими Шеалтиелдиң улы Зеруббабелге ҳәм бас руўханий Йосадақ улы Ешуаға пайғамбар Хаггай арқалы мынадай сөз түсти:
2«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Бул халық Жаратқан Ийениң Ибадатханасын қайтадан қуратуғын ўақыт еле келмеди, деп айтып атыр“».
3Соннан кейин, Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггай арқалы және мынадай сөз түсти:
4«Бул Ибадатхана ўайран болып қулап атырған ўақытта, сизлерге ағашлар менен қапланған сулыў үйлерде жасайтуғын ўақыт па?»
5Мине, енди Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар! 6Көп ектиңлер, бирақ аз орып алдыңлар. Сизлер аўқат ҳәм шарап ишип-жесеңиз де, тоймадыңлар. Кийим-кеншек кийсеңиз де, денеңиз жылымады. Ис ҳақыңызды алғаныңыз бенен, тесик шыжлан қалтаға салғандай болады». 7Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп айтып атыр: «Өзлериңиздиң тутқан жолларыңыз ҳаққында жақсылап ойланып, түсинип алыңлар! 8Таўларға шығып, ағаш алып келиңлер ҳәм Ибадатхананы қайта қурыңлар. Усылай етип, Мениң кеўлим толып, атым уллылансын! Буны Жаратқан Ийе болған Мен айтаман. 9Мол зүрәәт алыўға үмит еткен едиңлер, бирақ аз жыйнадыңлар. Аўа, үйлериңизге не алып келсеңиз де, оларды көкке суўырдым. Не ушын? – деп Жаратқан Ийе болған Мен сорайман. Аўа, Мениң Ибадатханам ўайран болып жатырған ўақытта, сизлер өз үйлериңизди салыўға жуўырғаныңыз ушын солай иследим. 10Соның ушын да, аспан жаўылып, шық түспеди ҳәм жер өз зүрәәтин бермеди. 11Елдеги таўларға ҳәм атызларға қурғақшылық жибердим. Буның кесири таза жүзим шарабына, зәйтүн майына, жердиң жетистиретуғын барлық өнимлерине, адамларға ҳәм ҳайўанларға тийип, ислеген мийнетлериңиз босқа кетти».

 

Халықтың буйрыққа қулақ асыўы

 

12Сонда Шеалтиел улы Зеруббабел, бас руўханий Йосадақ улы Ешуа ҳәм қалған халықтың барлығы Қудайы болған Жаратқан Ийе жиберген пайғамбар Хаггайдың сөзлерине қулақ салып, Жаратқан Ийеге бойсынды.
13Кейин Жаратқан Ийениң хабаршысы Хаггай Оның: «Мен сизлер менен биргемен», – деген сөзлерин халыққа жеткерди. 14Солай етип, Жаратқан Ийе Яҳуда ҳәкими Шеалтиел улы Зеруббабелди, бас руўханий Йосадақ улы Ешуаны ҳәм қалған халықтың барлығын руўхландырып, усы иске жигерлендирди. Сонда олар келип, Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Ибадатханасының қайта қурыў жумысын баслап жиберди. 15Бул патша Дарийдиң патшалығының екинши жылының алтыншы айының жигирма төртинши күни еди.

 

2

 

Таза Ибадатхананың салтанаты

 

1Сол жылдың жетинши айының, жигирма биринши күни Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггайға мынадай сөз түсти: 2– Яҳуда ҳәкими Шеалтиел улы Зеруббабелге, бас руўханий Йосадақ улы Ешуаға ҳәм қалған халыққа былай деп айт: 3«Сизлердиң араңызда усы Ибадатхананың бурынғы салтанатын көрген адам бар ма? Ҳәзирги көриниси қандай? Бурынғыға салыстырғанда, ҳәзир ҳеш нәрсе еместей болып көринип турған жоқ па? 4Енди сен, ҳәй, Зеруббабел, жигерлен! – деймен Мен, Жаратқан Ийе. Ҳәй, бас руўханий Йосадақ улы Ешуа, жигерлен! Ҳәй, елдеги пүткил халық, жигерлениң! – деймен Мен, Жаратқан Ийе. Жумысқа кирисиңлер! Себеби Мен сизлер менен биргемен! – деп Жаратқан Ийеңиз болған Мен айтып атырман. 5Мысыр жеринен шыққаныңызда, сизлер менен дүзген келисимим бойынша, Мениң Руўхым сизлердиң араңызда болады. Қорқпаңлар!»
6Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Тез арада аспан ҳәм жерди, теңиз ҳәм қурғақлықты және силкиндиремен. 7Барлық халықларды титиретемен ҳәм олар баҳалы буйымларын усы жерге алып келеди, – деп Жаратқан Ийе болған Мен айтаман. Мен усы Ибадатхананы салтанатқа бөлеймен. 8Гүмис те, алтын да Меники, – деп Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен айтаман. 9Келешекте бул Ибадатхананың салтанаты алдынғысынан да уллы болады. Сол жерге тынышлық беремен. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен айтаман».

 

Жаратқан Ийе берекет алып келеди

 

10Дарийдиң патшалығының екинши жылында, тоғызыншы айдың, жигирма төртинши күни Жаратқан Ийеден пайғамбар Хаггайға мынадай сөз түсти:
11«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Руўханийлерге Нызамға байланыслы мына сораўды бер:
12Егер араңыздағы бириңиз қурбанлықтан алынған мухаддес гөшти кийиминиң етеги менен алып баратырған болса, оның етеги нанға, сорпаға, шарапқа, зәйтүн майына ямаса басқа бир аўқатқа тийип кетсе, сол аўқат мухаддес бола ма?“»
Хаггай усы сораўды бергенде, руўханийлер:
«Яқ», – деп жуўап берди.
13Хаггай сөзин даўам етип, былай деди:
«Өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған бир адам усы аўқатлардың биреўине бир жерин тийгизип алса, сол аўқат ҳарам санала ма?»
Руўханийлер:
«Аўа, ҳарам саналады» – деп жуўап берди.
14Сонда Хаггай былай деди:
«Жаратқан Ийе: „Бул халық, усы миллет Мениң көз алдымда да сондай. Олардың ҳәр бир ислеген ислери, қурбанлық орында усынған ҳәр бир қурбанлықлары да ҳарам“, – дейди.
15Енди бүгинги күннен баслап нелер болғанын ойланып көриң. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тасын өрип басламасыңыздан алдын нелер болғаны ҳаққында жақсылап ойланып көриң. 16Қырманға жигирма өлшем дән аламан деп барғаныңызда, оннан тек ғана он өлшем дән шығатуғын еди. Шарап сығатуғын искенжеден елиў гүзе шарап аламан деп барғаныңызда болса, оннан тек ғана жигирма гүзе шарап шығатуғын еди. 17Өйткени Мен сизлердиң қол мийнетиңизди қуўрап қалыў, күйик түсиў ҳәм буршақ пенен жазаладым. Сонда да, Маған қайтып келиўден бас тарттыңлар, – деймен Мен, Жаратқан Ийе. 18Бүгин, тоғызыншы айдың жигирма төртинши күнинен баслап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тырнағын қайтадан салып баслаған күннен баслап нелер болып атырғанына дыққат салып, ойланып көриңлер. 19Ғәллеханада бир туқым қалып па еди? Жүзим, әнжир, анар ҳәм зәйтүн ағашы бүгинге дейин мийўесин берип пе еди? Бирақ бүгиннен баслап, Мен сизлерди жарылқайман».

 

Жаратқан Ийениң Зеруббабелге берген ўәдеси

 

20Сол айдың жигирма төртинши күни Жаратқан Ийеден Хаггайға екинши мәрте мынадай сөз түсти:
21«Яҳуда ҳәкими Зеруббабелге былай деп айт: „Мен аспан менен жерди силкиндиремен. 22Патшалықларды қулатаман, жат халықлардың күшин жоқ қыламан. Саўаш арбаларын олардың үстинде отырғанлар менен қосып, аўдарып таслайман. Атлар ҳәм шабандозлары жығылады, олардың ҳәммеси бир-бириниң қылышынан өледи“».
23«Сол күни сени, – деймен Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен, – Өз қолыма аламан, ҳәй, Шеалтиел улы қулым Зеруббабел, – деп Жаратқан Ийе болған Мен айтаман. Сени Өзимниң мөр жүзигим сыяқлы қыламан, себеби Мен сени таңладым, – деймен Мен, Әлемниң Жаратқан Ийеси».

 

 

 

Малахия

1

 

1Пайғамбаршылық сөзи. Жаратқан Ийе Малахия арқалы Израил халқына мына сөзлерди хабарлады:

 

Жаратқан Ийениң Израилға болған сүйиспеншилиги

 

2Жаратқан Ийе:
«Мен сизлерди сүйип келемен», – дейди. Ал сизлер болсаңыз: «Бизлерге болған сүйиспеншилигиңди қалайынша көрсеткен едиң?» – деп сорайсыз.
Жаратқан Ийе:
«Эсаў Яқыптың ағасы емес пе еди? Сондай болса да, Мен Яқыпты сүйдим, 3ал Эсаўды болса, жек көрдим. Эсаўдың таўлы үлкелерин ўайран қылып, елин шөлдиң шағалларына тапсырдым», – деп жуўап береди.
4Егер Эсаўдың урпағы эдомлылар: «Бизлер бүлгиншиликке ушырадық, бирақ ўайран болған жерлеримизди қайта тиклеп аламыз», – деп айтса, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп жуўап береди:
«Олар қайта қурса да, Мен және ўайран қыламан. Сонда олардың үлкеси Жаўызлық үлкеси деп аталып, ал өзлери Жаратқан Ийениң қәҳәрине мәңги ушыраған халық болады. 5Буны өз көзлериңиз бенен көрип, сизлер: „Жаратқан Ийе Израил шегараларының сыртында да даңққа ийе!“ – деп айтатуғын боласыз».

 

Жаратқан Ийениң руўханийлерди ҳүким қылыўы

 

6«Руўханийлер! Сизлерге Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен айтаман. Ул әкесине, қул хожайынына ҳүрмет көрсетеди. Егер Мен сизлердиң әкеңиз болсам, сизлердиң Маған көрсеткен ҳүрметиңиз қаяқта? Егер хожайыныңыз болсам, Меннен қорққаныңыз қаяқта? Ҳәй, руўханийлер, сизлер Мениң атымды ҳүрметлемей қойдыңыз.
Деген менен, сизлер: „Сениң атыңа қалайынша ҳүрмет көрсетпедик?“ – деп сорайсыз».
7«Сизлер қурбанлық орныма ҳарам садақалар алып келесизлер. Солай ислесеңиз де, сизлер: „Бизлер Сениң қурбанлық орныңды қалай ҳарамладық?“ – деп сорайсызлар. Бирақ сизлер: „Жаратқан Ийениң дастурханын қәдирлемесек те болады“, – деп айтасыз. 8Соқыр малды қурбанлық қылыў надурыс емес пе? Майып ямаса аўырыў ҳайўанды қурбанлық қылыў надурыс емес пе? Усындай бир ҳайўанды өз ҳәкимиңизге апарып көриң! Оның сеннен кеўли толар ма екен ямаса ол сени жақсы қабыллай ма екен?» – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
9«Енди сизлерге Өз мийрим-шәпәәтимди көрсетиўим ушын, Маған, Қудайға жалбарының. Бирақ сизлер Маған сондай қурбанлықларды усынсаңыз, онда Мен сизлерге мийримимди түсирип, қабыл етер ме едим?» – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
10«Қәне енди, араңыздағы бириңиз бийкарға қурбанлық орында от жағылмасын, деп Ибадатхананың есигин жаўып тасласа, жақсы болар еди! Мениң кеўлим сизлерден тоқ емес», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. «Сизлердиң садақаларыңызды қабыл етпеймен. 11Өйткени шығыстан батысқа дейинги халықлардың арасында Мениң атым уллы болады! Ҳәмме жерде Мениң атыма арнап, түтетки түтетиледи, таза қурбанлықлар бериледи. Себеби халықлар арасында Мениң атым уллы болады!» – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
12«Ал сизлер болсаңыз: „Жаратқан Ийениң дастурханы қәдирсиз, ондағы садақалар арзымас“, – деп Мениң атыма тил тийгизесиз. 13Соның менен бирге, сизлер: „Қандай аўыр жүк!“ – деп Маған мурынларыңызды гиржийтесиз», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
«Қурбанлық ушын урланған, майып ҳәм аўырыў ҳайўанларды алып келгениңизде, Мен соларды сизлердиң қолыңыздан қабыл етиўим керек пе?» – дейди Жаратқан Ийе. 14«Өз сүриўиңизден Маған, Жаратқан Ийеге бағышлап усыныўға ўәде берип қойған еркек ҳайўанның орнына кемшилиги бар ҳайўанды қурбанлық қылған өтирикшиге нәлет болсын! Себеби Мен уллы Патшаман ҳәм халықлар Мениң атымнан қорқады», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.

 

2

 

1Ҳәй руўханийлер, енди бул буйрық сизлерге арналады. 2Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер Маған қулақ салмасаңыз ҳәм атымды ҳүрмет етпесеңиз, сизлерге нәлет жаўдырып, сизлердиң пәтияларыңызды нәлетке айландыраман. Әлле қашан нәлетледим, себеби сизлер Мени ҳүрметлеўди қәлемедиңлер».
3«Мен сизлердиң әўладларыңызды жазалайман. Байрамларыңызда қурбанлық қылған малларыңыздың тасландыларын жүзлериңизге ылақтыраман. Сизлерди усылар менен бирге таслап жиберемен. 4Лебийлилер менен дүзген келисимимниң даўам етиўи ушын, усы буйрықты Мениң бергенимди билип аласызлар», – дейди Әлемниң Ийеси, Жаратқан Ийе. 5«Лебийлилер менен дүзген келисимим өмир ҳәм тынышлық беретуғын келисим еди. Маған ҳүрмет көрсетсин деп, Мен оларға усыларды берген едим. Олар Меннен қорқып, атымды ҳүрмет ететуғын еди. 6Олардың аўзында дурыс көрсетпе бар еди ҳәм тиллеринде ҳеш қандай ҳийле жоқ еди. Олар Мениң менен бирге болып, тынышлық ҳәм туўры жолда жүретуғын еди ҳәм көп адамларды гүна жолынан қайтаратуғын еди.
7Руўханийдиң тилиндеги сөзлер билимди сақлайды ҳәм адамлар оның аўзынан дурыс көрсетпе излейди. Өйткени ол Әлемниң Жаратқан Ийесиниң хабаршысы. 8Деген менен, сизлер жолдан азғырылып кеттиңиз ҳәм өз үгит-нәсиятларыңыз бенен көп адамларды гүнаға жетеледиңиз. Мениң лебийлилер менен дүзген келисимимди буздыңыз, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. 9Сизлер Мениң жолларымды излемедиңлер, Нызамға байланыслы мәселелерде адамына қарай ис туттыңлар. Сол себептен Мен де барлық халықтың алдында сизлердиң абырайыңызды түсирип, жерге урдым».

 

Яҳуда халқының Қудайға қыянет етиўи

 

10Бизлердиң ҳәммемиздиң Әкемиз бир емес пе? Бизлерди Қудай жаратқан жоқ па? Ондай болса, не ушын ҳәр биримиз өз туўысқанымызға қыянет етип, Қудайдың ата-бабаларымыз бенен дүзген келисимин бузып атырмыз?
11Яҳуда халқы опасызлық қылды. Олар Израилда ҳәм Ерусалимде жеркенишли ислер иследи: Яҳуда басқа қудайларға табынатуғын қызларға үйленип, Жаратқан Ийениң сүйген мухаддес Ибадатханасын ҳарамлады. 12Буны ислеген адам ким болыўына қарамастан, ол Әлемниң Жаратқан Ийесине қурбанлықлар алып келсе, Жаратқан Ийе оны Яқыптың шатырларынан жоқ қылсын!
13Сизлер ислеп атырған және бир ис бар: Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын көз жаслар менен толтырып жибергенсиз, дад салып, зар жылап атырсыз. Себеби Жаратқан Ийе сизлердиң алып келген қурбанлықларыңызды қабыл етпей атыр, Ол булардан ыразы емес. 14«Не ушын?» – деп сорайсызлар. Себеби сизлер жас ўақтыңызда үйленген ҳаялыңызға қыянет еттиңлер. Ол сизлердиң өмирлик жолдасыңыз, некели ҳаялыңыз еди. Жаратқан Ийениң Өзи екеўиңиздиң араңызда гүўа болған еди.
15Қудай сизлерди бир дене ҳәм бир руўх қылып жаратпады ма? Не ушын бир қылды? Өйткени Ол Өзине айрықша болған бир урпақ излеген еди. Сонлықтан өзлериңизге ықтыят болың, ҳеш бириңиз жаслықта үйленген ҳаялыңызға қыянет етпең.
16Израилдың Қудайы, Жаратқан Ийе: «Мен некениң бузылыўын жек көремен. Ҳаялына усындай жаўызлық ислеген адамнан жеркенемен. Усы сөзлерди Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен айтып турман. Сонлықтан абайлы болыңлар ҳәм қыянет етпеңлер», – деди.

 

Ҳүким күни жақын қалды

 

17Сизлер сөзлериңиз бенен Жаратқан Ийени шаршатып жибердиңлер.
Сизлер: «Бизлер Оны қалай шаршаттық?» – деп сорайсыз. Ал сизлер Оны: «Жаманлық қылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң алдында жақсыдур, Оның кеўли олардан толыдур», — деп шаршаттыңыз Және де: «Қәне, әдилликти сақлайтуғын Қудай қайда өзи?» – деп сорайсыз.

 

3

 

1«Мине, Мен Өз хабаршымды жиберип атырман. Ол Мениң алдымда жол таярлайды. Сизлер көриўди аңсап жүрген келисимниң хабаршысы киятыр. Сизлер излеп атырған Ийе тосаттан Өз Ибадатханасына келеди», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
2Бирақ Ол келгенде, ким шыдай алады? Ол пайда болғанда, ким тура алады? Себеби Ол таплап тазалайтуғын от сыяқлы, кир жуўыўшының сабыны сыяқлы болады. 3Ол гүмисти еритип тазалап алатуғын адам сыяқлы ҳүким тахтына отырып, лебийлилерди пәклейди. Аўа, алтын ҳәм гүмисти тазалағандай етип, тазалайды. Сонда олар Жаратқан Ийеге туўры жол менен қурбанлықлар усынатуғын болады. 4Кейин өткен күнлердегидей, бурынғы жыллардағы сыяқлы, Яҳуда ҳәм Ерусалимде усынылған садақалар Жаратқан Ийеге мақул болады.
5Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Сонда сизлерди ҳүким қылыў ушын бараман. Меннен қорқпағанларға: сыйқыршыларға, бузықлық қылғанларға, жалған ант ишкенлерге, жумысшының ис ҳақысын бермегенлерге, жетим-жесирлерди езиўшилерге ҳәм келгиндилердиң ҳуқықын шеклегенлерге қарсы шығып, оларды тезлик пенен әшкаралайман», – дейди.

 

Оннан бирлерди урлаў

 

6«Мен Жаратқан Ийемен, Мен ҳеш ўақытта өзгермеймен. Соның ушын, сизлер жоқ болып кетпедиңлер, ҳәй, Яқып урпақлары! 7Сизлер ата-бабаларыңыздың дәўиринен баслап, Мениң қағыйдаларымнан жүз бурып, оған әмел қылмай киятырсыз. Енди тәўбе қылып, Мениң алдыма келиңлер. Сонда Мен де сизлерге қайтып бараман», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
«Бирақ сизлер: „Не себептен тәўбе қылыўымыз?“ – деп сорайсызлар.
8Адамзат Қудайдан бир нәрсе урлаўы мүмкин бе? Ал сизлер болса, Меннен урлап атырсызлар. „Сеннен не урлаппыз?“ – деп сорайсыз.
Сизлер үсирлер ҳәм садақаларды урлап атырсызлар! 9Сизлер ғарғысқа ушырадыңлар. Себеби сизлер – пүткил халық Меннен урлап атырсыз. 10Ибадатханамда азық-аўқат болыўы ушын, барлық оннан бирлериңизди затлар сақланатуғын бөлмеге алып келиңлер. Мени усылайынша сынап көриңлер», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. «Сонда аспан қақпақларын ашаман, сизлердиң үстиңизге берекет жаўдырып, толып-тастыраман. 11Егинлериңизди шегирткелердиң жеп кетиўине жол қоймайман ҳәм жүзим бағларыңыз жемиссиз қалмайды», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. 12«Сонда барлық халықлар сизлерди: „Қандай бахытлы халық“, – деп атайды. Себеби сизлердиң елиңиз әжайып бир жер болады», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
13Жаратқан Ийе және былай дейди: «Сизлер Маған қарсы жаман сөзлер сөйледиңиз. Сонда да сизлер: „Бизлер Саған қарсы не айтып едик?“ – деп сорайсыз. 14Сизлер былай деп айтқан едиңиз: „Қудайға хызмет етиўдиң пайдасы жоқ. Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тапсырмаларын орынлаўдың, Оның алдында аза тутқан адамдай болып жүриўдиң бизлерге не кереги бар? 15Ал енди бизлер менменлерди бахытлы деп есаплаймыз. Жаўызлық қылыўшылар табысқа ерисип атыр. Мине, Қудайды сынағанлар жазадан аман қалып атыр“».
16Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар өз ара сәўбетлести. Жаратқан Ийе олардың сәўбетине қулақ салып, тыңлады. Жаратқан Ийеден қорқып, Оның атын сыйлағанлар ушын, Оның алдында бир естелик китабы жазылды.
17Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен белгилеген сол күнде, олар Мениң халқым ҳәм айрықша меншигим болады. Әке өзине бойсынған улына қандай мийрим көрсетсе, Мен де оларға сондай мийрим көрсетемен. 18Сол ўақытта сизлер әдил адам менен жаўыз адамның, Қудайға хызмет еткен адам менен хызмет етпеген адамның арасындағы айырмашылықты және көресиз».

 

4

 

Жаратқан Ийениң уллы күни

 

1Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, сол күн жақынлап қалды. Ол лаўлап жанып турған тандырға мегзейди. Сонда менменлер менен жаўызлық қылыўшылар сабан сыяқлы болып қалады. Сол күни олардың ҳәммеси жағып жибериледи. Олардың тамыры да, шақасы да қалмайды. 2Ал сизлер, Мениң атыма ҳүрмет көрсететуғынлар ушын, нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы шығады. Сонда сизлер қорадан шыққан бузаўдай секирип ойнап, шадланасызлар. 3Жаўызларды басқылап таслайсызлар. Аўа, Мен усыларды әмелге асырған күни, олар аяғыңыздың астындағы топырақ сыяқлы болып қалады, – деп Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен айтаман.
4Қулым Муўсаның Нызамын, пүткил Израил халқы ушын Хореб таўында Муўсаға берген қағыйдаларды ҳәм көрсетпелерди есиңизге алың.
5Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Мен сизлерге пайғамбар Илиясты жиберемен. 6Мен келип, пүткил елди ғарғап, жоқ қылмаўым ушын, ол әкелердиң жүреклерин балаларына, балалардың жүреклерин әкелерине қаратып, жарастырады».

 

 

Жаңа келисим

 

Матта

Матта жазған Хош Хабар

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул Хош Хабарды елши Матта жазған. Матта бул китапта Ийсаның Ески Келисимдеги ўәде етилген Қутқарыўшы Масих екенин айтады. Ол буны дәлиллеў ушын, Ески Келисимдеги пайғамбаршылықлардың Ийсаның өмири ҳәм хызмети арқалы орынланғанын көрсетеди ҳәм Қутқарыўшы Масих ҳаққында жазылған Ески Келисимдеги көп аятларды келтиреди. Және де, ол яҳудийлер күткен Аспан Патшалығы ҳаққында жийи-жийи айтып, Ийсаны Даўыт патшаның урпағынан шыққан Патша сыпатында сүўретлейди. Бирақ Оның Патшалығының бул дүньяда емес, ал адамлардың ишинде екенин атап өтеди.
Матта өз китабында Ийсаның тек яҳудий халқының емес, ал пүткил адамзаттың Қутқарыўшысы екени ҳаққында сөз етеди. Оның дүньядағы барлық адамлардың гүналары ушын қурбан болып, үшинши күни өлимнен қайта тирилгени ҳаққында айтады.

 

1

 

Ийса Масихтың шежиреси

 

1Ибрайымның урпағы, Даўыттың урпағы Ийса Масихтың[1] шежиреси мынадай:
2Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды. 3Яҳуда менен Тамарадан Парес ҳәм Зара туўылды. Парестен Ҳесрон туўылды. Ҳесроннан Рам туўылды. 4Рамнан Аминадаб туўылды. Аминадабтан Наҳшон туўылды. Наҳшоннан Салмон туўылды. 5Салмон менен Раҳабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды. 6Ишайдан Даўыт патша туўылды.
Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды. 7Сулайманнан Реҳабам туўылды. Реҳабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды. 8Асадан Ешофат туўылды. Ешофаттан Иорам туўылды. Иорамнан Узия туўылды. 9Узиядан Иоатам туўылды. Иоатамнан Аҳаз туўылды. Аҳаздан Езекия туўылды. 10Езекиядан Манасия туўылды. Манасиядан Амон туўылды. Амоннан Иосия туўылды. 11Бабилонға сүргин етилгенде, Иосиядан Ехония ҳәм оның инилери туўылды.
12Бабилонға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шалтиел туўылды; Шалтиелден Зерубабел туўылды. 13Зерубабелден Абиҳуд туўылды; Абиҳудтан Елиаким туўылды; Елиакимнен Азор туўылды. 14Азордан Садоқ туўылды; Садоқтан Ахим туўылды; Ахимнен Елихуд туўылды. 15Елихудтан Елиазар туўылды; Елиазардан Маттан туўылды; Маттаннан Яқып туўылды. 16Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масих деп аталған Ийса туўылды.
17Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он төрт урпақ, Даўыттан Бабилонға сүргин етилиўге дейин он төрт урпақ, Бабилонға сүргин етилгеннен Масихқа дейин он төрт урпақ.

 

Ийса Масихтың туўылыўы

 

18Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан[2] ҳәмледар екенлиги билинди. 19Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. 20Ол усылай ойлап жүргенде, Қудайдың бир периштеси оның түсине енип:
– Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан. 21Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди.
22Булардың ҳәммеси Қудайдың пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды:

 

23«Мине, қыз ҳәмледар болып, Ул туўады.
Оның атын Иммануел деп қояды»[3].

 

Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте.
24Уйқыдан турған Юсуп Қудайдың периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди. 25Бирақ Мәриям Улын туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Ол Баланың атын Ийса деп қойды.

 

2

 

Жулдыз изертлеўшилердиң жаңа туўылған Патшаға табыныўы

 

1Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2– Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды. 4Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды.
5Олар былай деди:
– Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған:

 

6«Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем!
Яҳудияның баслы қалаларынан[4] сен ҳеш кем емессең!
Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем
сеннен шығады»[5].

 

7Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды. 8Оларды Бейтлеҳемге жиберип:
– Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады. 10Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды. 11Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра[6] деген хош ийисли затларды сыйға берди. 12Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти.

 

Мысырға қашыў

 

13Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип:
– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға[7] қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди.
14Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти. 15Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Қудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым»[8], – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды.
16Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды. 17Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:

 

18«Рамада бир даўыс еситиледи,
Қатты зарлап жылаған.
Балаларын жоқлап жылар Раҳила.
Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар»[9].

 

Мысырдан Насыраға қайтыў

 

19Ҳирод өлгеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип:
20– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди.
21Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты. 22Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип, 23Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.

 

3

 

Шомылдырыўшы Яқыяның Хош Хабарды жәриялаўы

 

1Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шөл даласында:
2– Тәўбе етиңлер![10] Өйткени Аспан Патшалығы[11] жақынлап қалды, – деп жәриялады.
3Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди:

 

«Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»[12]

 

4Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди.
5Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дөгерегиниң турғынлары оған барды 6ҳәм өзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды. 7Яқыя өзине көп парисейлер менен саддукейлердиң[13] шомылдырылыўға киятырғанын көрип, оларға:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер! 9Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады.
10Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 11Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 12Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.

 

Ийсаның шомылдырылыўы

 

13Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў[14] ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14Бирақ Яқыя Оны иркип:
– Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.
15Бирақ, Ийса оған жуўап берип:
– Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты[15] бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди.
Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.
16Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын көрди. 17Сонда аспаннан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.

 

4

 

Ийсаның сыналыўы

 

1Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. 2Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. 3Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди.
4Ийса жуўап қайтарып:

 

«Адам тек ғана нан менен емес,
Ал Қудайдың аўзынан шыққан
ҳәр бир сөз бенен жасайды»[16], –

 

деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
5Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, 6Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секирши. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған-ғо:

 

«Ол Өзиниң периштелерине буйрық береди.
Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени
қолларында көтерип алып кетеди»[17], – деди.

 

7Ийса оған:
– «Қудай-Ийеңди сынама!»[18] – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
8Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын көрсетип:
9– Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10Сонда Ийса оған:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан!

 

«Қудай-Ийеңе сыйынып,
тек Оған хызмет ет!»[19]

 

деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, – деди.
11Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.

 

Ийсаның Хош Хабарды жәриялай баслаўы

 

12Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. 13Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафтали дөгерегиндеги теңиздиң жағасында жайласқан Капарнаҳумға келип орналасты. 14Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:

 

15«Ҳәй, Зебулон жери ҳәм Нафтали жери,
теңизге баратуғын жолдағы,
Иорданның арғы жағасындағы,
басқа миллетлердиң Галила ели!
16Қараңғылықта жасаған халық
үлкен бир жарықты көрди.
Өлим қараңғысында жасағанлар ушын,
жақтылық нуры түсти»[20].

 

17Сол ўақыттан баслап, Ийса:
– Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.

 

Ийсаның дәслепки шәкиртлерин таңлаўы

 

18Ийса Галила теңизиниң жағасында жүргенде, теңизге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 19Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер[21] қыламан, – деди.
20Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
21Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. 22Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.

 

Ийсаның аўырыўларға шыпа бериўи

 

23Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында[22] тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди. 24Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 25Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген көп халық ерип жүрди.

 

5

 

Таўдағы ўаз

 

1Ийса халықты көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. 2Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:

 

Ҳақыйқый бахытлылық

 

3– Руўхый жарлы болғанлар бахытлы![23] Аспан Патшалығы олардики!
4Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады.
5Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди.
6Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы![24]
Қудай оларды толық қанаатландырады.
7Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады.
8Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди.
9Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады.
10Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики.

 

11Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! 12Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.

 

Дуз ҳәм жақтылық

 

13– Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады.
14Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. 15Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди. 16Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин!

 

Мухаддес Нызам туўралы

 

17– Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим. 18Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис. 19Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады. 20Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз.

 

Ғәзеп туўралы

 

21– «Адам өлтирме! Ким де ким адам өлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли»[25], – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 22Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға[26] ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўге тийисли. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўге тийисли. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўге тийисли. 23Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның[27] саған өкпели екени сол жерде есиңе түссе, 24қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, әўели жақын адамыңа[28] барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер.
25Сен даўласың менен бирге ҳүким етилиўге баратырған ўақтыңда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды. 26Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң.

 

Неке ҳадаллығын бузыў ҳәм ажырасыў туўралы

 

27– Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!»[29] – дегенди еситкенсиз. 28Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады. 29Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. 30Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
31Тағы да: «Ким де ким өз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин»[30], – делинген. 32Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады.

 

Ант ишиў туўралы

 

33– Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Қудай алдында антыңды орынла!»[31] – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 34Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, өйткени ол – Қудайдың тахты. 35Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, өйткени ол – уллы Патшаның қаласы. 36Өз басың менен де ант ишпе, себеби сен бир тал шашыңды да ағарта ямаса қарайта алмайсаң. 37Сизлердиң: «аўа» сөзиңиз «аўа» ямаса «яқ» сөзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан.

 

Өш алыў туўралы

 

38– Сизлер: «Көзге көз, тиске тис»[32], – дегенди еситкенсиз. 39Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. 40Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. 41Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. 42Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.

 

Душпанларыңызды сүйиңлер!

 

43– Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек көр»[33], – дегенди еситкенсиз. 44Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. 45Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. 46Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? 47Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? 48Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!

 

6

 

Саўап ислер туўралы

 

1– Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди[34] адамларға көрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды.
2Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы өз-өзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 3Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин. 4Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.

 

Дуўа етиў туўралы

 

5– Дуўа еткениңизде, адамларға көрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм көшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы көретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 6Ал сен дуўа еткениңде бөлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, көзге көринбейтуғын Әкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
7Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар көп сөйлесек тыңлар деп ойлайды. 8Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Әкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи. 9Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер:

 

Аспандағы Әкемиз!
Сениң атың мухаддес бола берсин.
10Сениң Патшалығың келсин.
Аспанда орынланғаны сыяқлы,
жерде де Сениң еркиң орынлансын.
11Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр.
12Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей,
бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр.
13Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай,
шайтаннан қутқара гөр.

 

Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
14Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. 15Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.

 

Ораза тутыў туўралы

 

16– Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды. 17Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап[35], бетиңди жуў. 18Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.

 

Жоғалмайтуғын байлық

 

19– Өзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды. 20Ал өзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды. 21Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
22Көз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. 23Егер көзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың өзи қаншелли тас түнек болады!
24Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.

 

Тәшиўишленбеңлер!

 

25– Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе? 26Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Әкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме? 27Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? 28Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. 29Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 30Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шөпти Қудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар?
31Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер. 32Өйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Әкеңиз биледи. 33Ең алды менен Қудайдың Патшалығын[36] ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи. 34Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн өзи ушын өзи ғам жейди. Ҳәр күнниң өз ғамы өзине жетеди.

 

7

 

Басқаларды ҳүким етпеңлер!

 

1– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер. 2Өйткени сизлер басқаларды қалай ҳүким етсеңлер, Қудай да сизлерди солай ҳүким етеди. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. 3Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? 4Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айтасаң? 5Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң.
6Мухаддес затты ийтлерге бермеңлер, ҳинжи-маржанларыңызды шошқалардың алдына тасламаңлар. Оларды аяқлары менен басқылап, айланып келип сизлерди тилкимлеп таслайды.

 

Сораңлар, излеңлер, есикти қағыңлар!

 

7– Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 8Себеби сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 9Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма? 10Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма? 11Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
12Солай етип, ҳәмме исте адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.

 

Тар қапыдан кириңлер!

 

13– Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да үлкен, оның менен жүретуғынлар көп. 14Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз.

 

Терек мийўесинен билинер

 

15– Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. 16Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба? 17Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. 18Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. 19Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 20Солай етип, сизлер оларды мийўесинен билесизлер.
21Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳәр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. 22Заманның ақырғы күнинде көбиси Маған: «Ийем! Ийем! Бизлер Сениң атың менен пайғамбаршылық етип, Сениң атың менен жинлерди қуўып шығармадық па? Сениң атың менен көп кәраматлар ислемедик пе?» – дейди. 23Сонда Мен оларға: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен, Меннен аўлақ кетиңлер, ҳәй, нызамды бузыўшылар!» – деп ашық айтаман.

 

Ақыллылық ҳәм ақылсызлық

 

24– Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. 25Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламады. 26Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламаўшылардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды. 27Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди суў басқанда, ол қулап, қатты қыйралды.
28Ийса усы сөзлерди айтып болғанда, халық Оның тәлимине таң қалды. 29Себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен адамларға тәлим берди.

 

8

 

Мақаў кесел болып аўырған адамның шыпа табыўы

 

1Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. 2Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да:
– Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди.
3Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты. 4Ийса оған:
– Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.

 

Римли жүзбасының исеними

 

5Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип:
6– Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады.
7Ийса оған:
– Мен барып, оған шыпа беремен, – деди.
8Ал жүзбасы:
– Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. 9Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды.
10Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. 11Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. 12Ал Патшалықтың мийрасхорлары[37] сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди[38], – деди.
13Соннан соң, Ийса жүзбасыға:
– Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди.
Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.

 

Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи

 

14Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди. 15Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.
16Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. 17Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:

 

«Ол ҳәлсизликлеримизди Өзине алды,
Аўырыўларымызды Өзине жүкледи»[39].

 

Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти

 

18Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына өтиўди буйырды. 19Сонда бир диний муғаллим келип, Оған:
– Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
20Ийса оған:
– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының[40] бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
21Және бир шәкирти Оған:
– Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
22Бирақ Ийса оған:
– Маған ер. Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр, – деди.

 

Ийсаның даўылды тоқтатыўы

 

23Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди. 24Теңизде тосаттан күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди. 25Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып:
– Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди.
26Ийса оларға:
– Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады.
27Адамлар таң қалысып:
– Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.

 

Жин урған еки адамның шыпа табыўы

 

28Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. 29Олар қышқырысып:
– Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.
30Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 31Жинлер Ийсаға:
– Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.
32Сонда Ийса оларға:
– Барыңлар, – деди.
Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды.
33Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. 34Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди.

 

9

 

Ләң адамның шыпа табыўы

 

1Соңынан Ийса қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасына өтти де, Өз қаласына қайтып келди. 2Сонда адамлар төсегинде жатырған бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға:
– Балам, жигерли бол, гүналарың кеширилди! – деди.
3Сонда диний муғаллимлердиң гейбиреўлери ишлеринен: «Бул Қудайға тил тийгизип тур-ғо!» – деди.
4Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға:
– Ишлериңизден неге жаманлық ойлап турсызлар? 5Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып жүре бер», – деў ме? 6Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: – Орныңнан турып төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
7Ләң адам орнынан турып, үйине кетти. 8Буны көрген адамларды қорқыныш бийлеп, адамларға усындай бийлик берген Қудайды мақтады.

 

Маттаның шәкирт болыўы

 

9Ийса сол жерден кетип баратырып салық кеңсесинде отырған Матта атлы адамды көрди де, оған:
– Мениң изиме ер, – деди.
Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
10Ийса оның үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар келип, Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге дастурханлас болды. 11Парисейлер буны көрип, Оның шәкиртлеринен:
– Сизлердиң Устазыңыз неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деп сорады.
12Буны еситкен Ийса оларға:
– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 13Сизлер барып: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен»[41], – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.

 

Ораза ҳаққында сораў

 

14Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан:
– Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
15Ийса оларға:
– Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады.
16Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды, өйткени жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
17Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди.

 

Басшының қызы ҳәм ҳаялдың исеними

 

18Ийса оларға усыларды айтып турғанда қасына бир мәжилисхананың басшысы келип, Оның аяғына жығылды да:
– Мениң қызым жаңа ғана өлди. Сен келип оған қолыңды тийгиз, сонда ол тириледи, – деди.
19Ийса орнынан турып, шәкиртлери менен бирге оған ерди.
20Сонда он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. 21Себеби ҳаял ишинен: «Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди. 22Ийса бурылып, оны көрди де:
– Қызым, жигерли бол, исенимиң сени қутқарды! – деди.
Ҳаял сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
23Ийса басшының үйине келгенде, сыбызғышыларды ҳәм тынышсызланып турған адамларды көрип, 24оларға:
– Шығыңлар! Қыз өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
Олар Ийсаның үстинен күлди. 25Адамлар сыртқа шығарылғаннан кейин, Ийса ишке кирип қыздың қолын услағанда, қыз орнынан турды. 26Бул ўақыя туўралы хабар пүткил дөгерекке жайылды.

 

Еки соқырдың шыпа табыўы

 

27Ийса сол жерден кетип баратырғанда Оның изине еки соқыр адам ерип, Оған:
– Даўыттың Урпағы[42]! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты.
28Ол үйге киргенде, Оның қасына соқырлар да келди. Ийса оларға:
– Мениң буны ислей алатуғыныма исенесизлер ме? – деп сорады.
Олар:
– Аўа, Ийем, исенемиз, – деп жуўап берди.
29Сонда Ийса олардың көзлерине қолын тийгизип:
– Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын, – дегенде, 30олардың көзлери көре баслады.
Ийса оларға:
– Абайлаң, буны ҳеш ким билмесин! – деп қатаң тапсырды.
31Бирақ олар сыртқа шығып, Ийса туўралы хабарды пүткил дөгерекке жайды.

 

Жин урған бир гүңелектиң шыпа табыўы

 

32Олар шығып кетейин деп атырған ўақытта адамлар Ийсаға жин урғаны себепли гүңелек болған бир адамды алып келди. 33Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сөйлей баслады. Адамлар таң қалысып:
– Бундай ўақыя Израилда ҳеш қашан болған емес еди, – дести.
34Бирақ парисейлер:
– Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.

 

Ийсаның адамларға жаны ашыўы

 

35Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Яҳудийлердиң мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди. 36Ол көп халықты көрип, оларға жаны ашыды, өйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди. 37Сонда Ол шәкиртлерине:
– Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. 38Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.

 

10

 

Ийсаның он еки шәкиртин таңлаўы

 

1Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға ҳәм барлық аўырыўлар менен ҳәлсизликлерге шыпа бериўге бийлик берди.
2Он еки елшиниң атлары мынадай: Петр деп аталған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Зебедейдиң баласы Яқып ҳәм оның иниси Юхан. 3Филип пенен Бартоломей, Томас пенен салықшы Матта, Алпейдиң баласы Яқып ҳәм Тадей. 4Ўатансүйер[43] Симон ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.

 

Шәкиртлерге берилген тапсырмалар

 

5Ийса усы он екисин жибергенде, оларға былай деп тапсырмалар берди:
– Басқа миллетлердиң жерлерине бармаңлар, самариялылардың қалаларына да кирмеңлер. 6Ал жоғалған қойлардай болған Израил халқына барыңлар. 7Баратырып, жол бойы: «Аспан Патшалығы жақынлады», – деп жәриялап жүриңлер. 8Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер. 9Беллик қалталарыңызға алтын, гүмис ҳәм мыс теңгелер салып жүрмеңлер. 10Жолға дорба да, аўысық кийим де, аяқ кийим де, таяқ та алмаңлар. Себеби мийнет етиўши өз нанын табады.
11Сизлер қайсы қалаға ямаса аўылға кирсеңлер де, сол жерде кимниң ылайықлы екенин излеп табыңлар да, кеткенше сол адамның үйинде турыңлар. 12Оның үйине киргениңизде, аманлық тилеп сәлем бериңлер. 13Үй ылайықлы болса, тилеген аманлығыңыз сол үйге орнайды, ылайықлы болмаса, тилеген аманлығыңыз өзлериңизге қайтады. 14Егер сизлерди биреў қабыл алмаса ҳәм сөзлериңизге қулақ аспаса, сол үйден ямаса қаладан шығып баратырып, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 15Сизлерге шынын айтып турман: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.

 

Келешектеги қуўдаланыўлар

 

16– Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар. 17Адамлардан сақ болыңлар, олар сизлерди ҳүким етиўшилерге услап береди, мәжилисханаларында қамшылап сабайды. 18Мен себепли сизлер ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарыласызлар. Усылайынша сизлер оларға ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы гүўалық бересизлер. 19Сизлерди услап берген ўақытта қалай ямаса не айтыў ҳаққында қайғырмаңлар: өйткени айтатуғын сөзлериңиз сол ўақытта сизлерге бериледи. 20Себеби сизлер емес, ал сизлер арқалы Әкеңиздиң Мухаддес Руўхы сөйлейди.
21Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. 22Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 23Сизлерди бир қалада қуўдаласа, екинши қалаға қашыңлар. Сизлерге шынын айтып турман: сизлер Израил елиниң қалаларын аралап болмай-ақ, Адам Улы жетип келеди.
24Шәкирт устазынан, хызметши хожасынан уллы емес. 25Шәкирт устазы сыяқлы болса, хызметши де хожасы сыяқлы болса, оларға жеткиликли. Адамлар үй ийесин Белзебүл-шайтан деп атаған болса, оның үй-ишине оннан да жаманырақ ат тақпай ма?!

 

Кимнен қорқыў керек?

 

26– Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 27Мениң сизлерге қараңғыда айтып турғанымды сизлер жарықта айтыңлар. Қулақларыңызға сыбырлап айтылғанды үй төбесинен жәриялаңлар. 28Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар. 29Еки шымшық бир тийинға сатылмай ма? Бирақ олардың биреўи де Әкеңиздиң ерки болмаса жерге қулап түспейди. 30Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. 31Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
32Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән аламан. 33Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән алмайман.

 

Ийса ушын болатуғын айырылысыўлар

 

34– Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим. 35Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим. 36Адамның душпанлары өзиниң үй-иши болады[44].
37Ким де ким Меннен артық әкесин ямаса анасын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. Ким де ким Меннен артық улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес. 38Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес. 39Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады.

 

Қабыл алыў ҳәм сыйлық

 

40– Ким де ким сизлерди қабыл алса, оның Мени қабыл алғаны болады, ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады. 41Ким де ким пайғамбарды пайғамбар болғаны ушын қабыл алса, ол пайғамбар алатуғын сыйлықты алады. Ким де ким ҳақ адамды ҳақ болғаны ушын қабыл алса, ол ҳақ адам алатуғын сыйлықты алады. 42Мен сизлерге шынын айтып турман: ким де ким усылардың ишиндеги ең қарапайымына шәкиртлеримниң бири болғаны ушын тек бир кесе суўық суў ишкизсе де, ол сыйсыз қалмайды.

 

11

 

1Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды.

 

Яқыяның сораўы ҳәм Ийсаның Яқыя туўралы гүўалығы

 

2Яқыя қамақта отырып, Масихтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип: 3«Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты.
4Ийса оларға жуўап берип:
– Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. 5Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 6Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди.
7Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады:
– Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 8Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо. 9Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 10Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды»[45], деп айтылған адам – усы. 11Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. 12Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр. 13Барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Яқыя келиўге дейин Аспан Патшалығы ҳаққында болжап келген. 14Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя. 15Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
16-17Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына:

 

«Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар!
Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» –

 

деп бақырып отырған балаларға уқсайды.
18Себеби Яқыя келип, ишип жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести.
19Адам Улы келип, ишип жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
20Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады:
21– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып[46] қайғырып, тәўбе етер еди. 22Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 23Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәрамат ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди. 24Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.

 

Ийсаның адамларды рәҳәтлениўге шақырыўы

 

25Сол ўақытта Ийса сөзин даўам етип:
– О, Әкем, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман! 26Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
27Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
28Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен. 29Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. 30Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.

 

12

 

Дем алыс күни ҳаққында тартыс

 

1Сонда бир дем алыс күни[47] Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады. 2Буны парисейлер көрип, Оған:
– Қара, Сениң шәкиртлериң дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
3Ийса оларға:
– Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, Қудайға арналған нанларды жеген емес пе?[48] 5Дем алыс күнинде руўханийлер Ибадатханада дем алыс күни ҳаққында Мухаддес Нызамды бузса да гүнасыз болатуғынларын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма?[49] 6Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар. 7Егер сизлер: «Мен қурбанлық емес, ал мийрим-шәпәәт тилеймен»[50], – деген сөздиң мәнисин түсинсеңлер, гүнасызларды айыпламас едиңлер. 8Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
9Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди. 10Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды:
– Дем алыс күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?
11Ийса оларға:
– Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол дем алыс күни бир шуқырға түсип кеткенде, оны шығарып алмай ма? 12Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, дем алыс күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.
13Соңынан Ол қолы ләң адамға:
– Қолыңды соз! – деди.
Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды. 14Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.

 

Қудайдың таңлаған Хызметшиси

 

15Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине көп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип, 16Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди. 17Бул Қудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды:

 

18«Бул – таңлап алған Хызметшим,
Кеўлим унатқан Сүйиклим.
Мен Өз Руўхымды Оған беремен.
Ол ҳәмме халықларға әдилликти[51] жәриялайды.
19Тартыспайды да, бақырмайды да,
Оның даўысы көшелерде еситилмейди.
20Әдиллик жеңиске ериспегенше,
Ол бүгилген қамысты сындырмайды
ҳәм пысқып турған пиликти өширмейди.
21Халықлар Оның атынан үмит етип жасайды»[52].

 

Қудайдың Руўхына қарсы болмаў туўралы ескертиў

 

22Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады. 23Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып:
– Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.
24Буны еситкен парисейлер:
– Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – дести.
25Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди:
– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды. 26Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады? 27Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 28Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени.
29Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
30Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады. 31Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди. 32Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
33Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди. 34Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо. 35Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. 36Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. 37Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да.

 

Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў

 

38Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға:
– Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.
39Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды:
– Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди. 40Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. 41Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 42Қубладағы ҳаял патша да ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени ол Сулайманның даналығын еситиў ушын жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.

 

Қайтып келген жаўыз руўхлар

 

43– Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды. 44Сонда ол өзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. 45Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады!

 

Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары

 

46Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы менен туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды. 47Сонда биреў Оған:
– Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.
48Ол буны айтқан адамға қарап:
– Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 49Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 50Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.

 

13

 

Туқым себиўши туўралы тымсал

 

1Сол күни Ийса үйден шығып, теңиздиң жағасына барып отырды. 2Оның жанына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды. 3Ол тымсаллар менен оларға көп нәрселерди айтып, былай деди:
– Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти. 9Қулағы бар жақсылап еситип алсын!

 

Ийсаның тымсаллар менен сөйлегендеги мақсети

 

10Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан:
– Халыққа не ушын тымсаллар менен сөйлеп турсаң? – деп сорады.
11Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген. 12Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оннан бары да тартып алынады. 13Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сөйлеп турман. Өйткени:

 

«Олар қараса да көрмейди,
Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди».

 

14Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны дурыс келди:

 

«Тыңлап еситесизлер, бирақ түсинбейсизлер,
Қарайсызлар, бирақ көрмейсизлер!
15Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып,
қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған.
Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди,
Қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди.
Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим»[53].

 

16Бирақ, сизлердиң көрип турған көзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы! 17Сизлерге шынын айтып турман: көплеген пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.

 

Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

 

18– Енди сизлер туқым себиўши туўралы тымсалдың мәнисин тыңлаңлар. 19Аспан Патшалығы туўралы айтылған сөзди еситкен, бирақ оны түсинбеген адамға шайтан келип, оның кеўлине себилген сөзди тартып әкетеди. Жол бойына себилген туқымның мәниси усы. 20Ал таслаққа себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситкен ўақытта-ақ, оны қуўаныш пенен қабыл алады. 21Бирақ тамырсыз болғанлықтан, турақсызлық етеди. Сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады. 22Тикенлер арасына себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситеди, бирақ бул дүньяның тәшиўишлери ҳәм байлыққа алданыў сөзди туншықтырады. Сонлықтан ол зүрәәт бермейди. 23Ал өнимли жерге себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситип, оны түсинеди ҳәм биреўлери жүз еседен, биреўлери алпыс еседен, биреўлери отыз еседен зүрәәт береди.

 

Бийдай ҳәм ҳарам шөп

 

24Ийса басқа тымсал келтирип, оларға былай деди:
– Аспан Патшалығы өзиниң егислик жерине жақсы туқым сепкен адамға уқсайды. 25Түнде, адамлар уйықлаған ўақытта душпаны келип, оның бийдайының арасына ҳарам шөп егип кетипти. 26Бийдай көгерип масақ шығарғанда, ҳарам шөп те пайда бола баслапты. 27Сонда хызметшилери хожасына келип: «Хожайын! Сиз егислик жериңизге жақсы туқым сеппеген бе едиңиз? Онда ҳарам шөп қаяқтан пайда болды?» – депти. 28Ол: «Буны душпан иследи», – депти. Сонда хызметшилери: «Бизлердиң барып, оларды суўырып таслаўымызды қәлейсиз бе?» – деп сорапты. 29Ол: «Яқ, сизлер ҳарам шөплерди суўырғаныңызда, олар менен бирге бийдайды да суўырып алыўыңыз мүмкин. 30Орыў мәўсими жеткенше, екеўи қатар өсе берсин. Орыў мәўсиминде мен орақшыларға: „Дәслеп ҳарам шөпти жыйнаңлар ҳәм баўлап өртеңлер, ал бийдайды телегиме қуйыңлар“, – деймен», – депти.

 

Қышқыл туқым ҳәм ашытқы туўралы тымсал

 

31Ийса оларға өзге бир тымсал келтирип, былай деди:
– Аспан Патшалығы бир адамның өз егислик жерине еккен қышқыл туқымына[54] уқсайды. 32Ол туқымлардың ишиндеги ең кишкенеси болса да, өсип шыққаннан соң барлық шөплерден үлкейип, терек болады. Шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады.
33Ийса оларға басқа тымсал айтып:
– Аспан Патшалығы бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды, – деди.
34Ийса булардың ҳәммесин халыққа тымсаллар менен айтты. Тымсалсыз оларға ҳеш нәрсе айтпады. 35Солай етип, пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды:

 

«Аўзымды тымсаллар айтыў ушын ашып,
дүнья жаратылғаннан бери жасырын болғанларды сөйлеймен»[55].

 

Бийдай ҳәм ҳарам шөп туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

 

36Соңынан Ийса халықты қалдырып, үйге кирди. Шәкиртлери Оның қасына келип:
– Егислик жердеги ҳарам шөп туўралы тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
37Ийса былай деп жуўап берди:
– Жақсы туқым себиўши – Адам Улы. 38Егислик жер – дүнья, жақсы туқымлар – Аспан Патшалығының балалары. Ал ҳарам шөплер – шайтанның балалары. 39Ҳарам шөплерди сепкен душпан – шайтан. Орыў мәўсими – ақырзаман, орақшылар – периштелер болады. 40Солай етип, ҳарам шөплерди қалай жыйнап алып, отқа жақса, бул дүньяның ақырында да сондай болады. 41Адам Улы периштелерин жибереди, Оның Патшалығынан олар барлық азғырыўшылар менен нызамды бузыўшыларды жыйнап алады да, 42жанып турған ошаққа таслайды: олар сол жерде жылап, пушайман жейди. 43Сонда ҳақ адамлар өзлериниң Әкесиниң Патшалығында күн сыяқлы жарқырап турады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын!

 

Табылған ғәзийне ҳәм қымбат ҳинжи туўралы тымсал

 

44– Аспан Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Оны биреў таўып алып, және жасырып қойыпты да, қуўанғанынан барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол егислик жерди сатып алыпты.
45Және Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. 46Ол жүдә қымбат бир ҳинжини тапқанда, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты.

 

Аўға түскен балықлар туўралы тымсал

 

47– Және Аспан Патшалығы теңизге салынып, әлўан түрли балықлар түскен аўға уқсайды. 48Толғаннан кейин, балықшылар оны жағаға сүйреп шығарыпты. Соңынан отырып, жақсыларын таңлап ыдысларға салып, ал жаманларын ылақтырып таслапты. 49Ақырзаманда да солай болады: периштелер келип, жаман адамларды ҳақ адамлардан айырып алып, 50жанып турған ошаққа таслайды. Олар сол жерде жылап, пушайман жейди.
51Соннан соң, Ийса олардан:
– Булардың ҳәммесин түсиндиңлер ме? – деп сорады.
Олар:
– Аўа, Ийем, түсиндик, – деди.
52Ийса оларға:
– Сонлықтан Аспан Патшалығынан үйренген ҳәр бир диний муғаллим өз ғәзийнесинен жаңаны да, гөнени де шығарыўшы үй ийесине уқсайды, – деди.

 

Насыралылардың Ийсаға исенбеўи

 

53Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды. 54Өзи өскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып:
– Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған? 55Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Симон, Яҳуда емес пе? 56Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де, 57Оны тән алмады.
Сонда Ийса оларға:
– Пайғамбардың барлық жерде қәдири бар, ол тек өз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
58Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде көп кәраматларды ислемеди.

 

14

 

Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи

 

1Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң патшасы Ҳирод та еситип, 2өз хызметкерлерине:
– Бул адам – Шомылдырыўшы Яқыя. Ол өлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди.
3Буннан бурын Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди. 4Өйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. 5Ҳирод Яқыяны өлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди.
6Ал Ҳирод туўылған күнин тойлағанда, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты. 7Соның ушын ол қыз не тилесе де бермекши болып, ўәде берип, ант ишти.
8Қыз анасының кеңеси бойынша:
– Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, маған ҳәзир табаққа салып бериң, – деди.
9Патша буған қыйналса да, өзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қызға сорағанын бериўди буйырды. 10Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кестирди. 11Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Қыз оны анасына апарып берди. 12Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады.

 

Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы

 

13Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық өз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди. 14Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди.
15Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған:
– Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, өзлерине аўқат сатып алсын, – деди.
16Бирақ Ийса:
– Олар кетпеўи керек, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди.
17– Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар.
18Ийса:
– Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди.
19Соңынан халыққа шөпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 20Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен он еки себет толтырды. 21Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди.

 

Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

 

22Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. 23Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Өзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды. 24Ал сол ўақытта теңиздиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, өйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди.
25Ерте таңда Ийса теңиздиң үсти менен жүрип, олардың қасына барды. 26Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны көргенде зәррелери ушып:
– Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты.
27Бирақ Ийса оларға дәрриў:
– Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар, – деди.
28Петр Оған жуўап берип:
– Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди.
29Ийса:
– Кел, – деди.
Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. 30Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда:
– Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды.
31Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған:
– Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди.
32Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды. 33Қайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып:
– Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – дести.
34Олар теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады. 35Сол жердиң турғынлары Ийсаны танып, пүткил дөгерекке хабарлады ҳәм аўырған адамлардың ҳәммесин Оған алып келди. 36Олар Ийсадан тек кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.

 

15

 

Адамларды не ҳарамлайды?

 

1Сонда Ийсаның қасына Ерусалимнен парисейлер менен диний муғаллимлер келип, Оған:
2– Не ушын Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған дәстүрлерди бузып жүр? Олар нан жеўден алдын қолларын жуўмайды-ғо, – деди.
3Ийса оларға жуўап берип, былай деди:
– Сизлер не ушын дәстүрлериңиз себепли Қудайдың буйрығын бузасызлар? 4Себеби Қудай: «Ата-анаңды сыйла»[56] ҳәм: «Ким де ким әкесине ямаса анасына жаман сөз айтса, ол өлтирилсин»[57] деп буйрық берген. 5Ал сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Сизлерге беретуғынымды Қудай жолына қурбан етип бағышлайман“, десе, 6ол әкесин ямаса анасын сыйламаса да болады», – дейсизлер. Солай етип, дәстүрлериңиз себепли, сизлер Қудайдың сөзин бийкар етип атырсызлар. 7Ҳәй, еки жүзлилер! Ийшая пайғамбар сизлер туўралы алдын ала дурыс айтқан:

 

8«Бул халық сыйлар Мени тили менен,
Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
9Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер»[58].

 

10Соңынан Ийса халықты шақырып алып, оларға:
– Тыңлап, түсинип алыңлар: 11адамды оның аўзына енген нәрсе емес, ал аўзынан шыққан нәрсе ҳарамлайды, – деди.
12Сонда Оның шәкиртлери қасына келип, Оннан:
– Бул сөзди еситкенде, парисейлердиң ашыўланып қалғанын билдиң бе? – деп сорады.
13Ийса оларға:
– Аспандағы Әкем екпеген ҳәр бир өсимлик түп-тамыры менен жулып тасланады. 14Оларды қойыңлар. Олар – соқырлардың соқыр жетелеўшилери. Егер соқырды соқыр жетелесе, екеўи де шуқырға қулап түседи, – деди.
15Петр Оған:
– Бул тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
16Ийса оларға:
– Сизлер еле түсинбей турсызлар ма? 17Аўызға енгенниң ҳәммеси қарынға баратуғынын, оннан соң сыртқа шығып қалатуғынын түсинбейсизлер ме? 18Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы. 19Өйткени жаманлық ойлаў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, бузық болыў, урлық ислеў, жалған гүўалық бериў ҳәм масқаралаў кеўилден шығады. 20Адамды ҳарамлайтуғын усылар. Ал қол жуўмай аўқат ишиў адамды ҳарамламайды, – деди.

 

Кананлы ҳаялдың исеними

 

21Ийса сол жерден шығып, Тир ҳәм Сидон үлкесине кетти. 22Сол үлкелерден кананлы бир ҳаял келип, Оған:
– Ийем, Даўыттың Урпағы, маған реҳим ете гөр! Мениң қызымды жин урып, қатты қыйналып атыр, – деп бақырды.
23Бирақ Ийса оған ҳеш нәрсе айтпады. Сонда шәкиртлери қасына келип, Оннан:
– Оны жибер, изимизден бақырып киятыр-ғо, – деп өтинди.
24Ийса:
– Мен тек Израилдың жоғалған қойларына жиберилгенмен, – деп жуўап қайтарды.
25Сонда ҳаял келип, Оның аяғына жығылды да:
– Ийем! Маған жәрдем ете гөр! – деп жалынды.
26Ийса оған жуўап берип:
– Балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
27Ҳаял:
– Аўа, Ийем, солай. Бирақ ийтлер де хожайынларының дастурханынан түскен усақларды жейди-ғо, – деди.
28Сонда Ийса оған:
– Ҳәй, ҳаял, сениң исенимиң күшли екен, тилегениң болсын, – деди.
Оның қызы сол ўақытта-ақ жазылып кетти.

 

Ийсаның төрт мың адамды тойғызыўы

 

29Ийса сол жерден кетип, Галила теңизине келди ҳәм таўға шығып отырды. 30Сонда Оның қасына көп халық жыйналып қалды. Олар өзлери менен бирге ақсақларды, соқырларды, майыпларды, гүңелеклерди ҳәм басқа да аўырыў адамларды Ийсаның алдына алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 31Солай етип, гүңелеклердиң тиллери шығып, майыплардың жазылып, ақсақ болғанлардың жүрип, соқырлардың көзлери ашылып кеткенлигин көрген халық аң-таң болысып, Израилдың Қудайына алғыс айтты.
32Ийса шәкиртлерин жанына шақырып алып, оларға:
– Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. Оларды аш ҳалында жибергим келмейди, себеби жолда ҳәлсиреп қалыўы мүмкин, – деди.
33Шәкиртлери:
– Усыншама халықты тойғыза аларлықтай, бир елсиз далада нанды қаяқтан табамыз? – дести.
34Ийса олардан:
– Неше наныңыз бар? – деп сорады.
Олар:
– Жетеў, және бир неше киши балық та бар, – деп жуўап берди.
35Соңынан Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. 36Жети нанды ҳәм балықларды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди. 37Олардың ҳәммеси жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап алып, үлкен жети себет толтырды. 38Жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа төрт мың адам еди.
39Соннан соң, Ийса халықты тарқатып жиберди де, қайыққа минип, Магдала дөгерегине кетти.

 

16

 

Ийсадан Қудай жибергенлигин кәраматлы белги менен көрсетиўин сораў

 

1Парисейлер менен саддукейлер Ийсаға келди де, Оны сынамақшы болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин сорады. 2Ийса оларға жуўап қайтарып:
– Кеште сизлер: «Ертең күн ашық болады, аспан қызғыш-ғо», – дейсизлер. 3Ал таң азаннан: «Бүгин жаўын-шашын болады, аспан қызыл ҳәм түнерген», – дейсизлер. Сизлер неге аспанның райын айыра алсаңлар да, заманның белгилерин айыра алмайсызлар? 4Жаман ҳәм опасыз әўлад бир кәраматлы белги талап етеди. Бирақ оған Юнустың белгисинен басқасы көрсетилмейди, – деди.
Соң оларды қалдырып, сол жерден кетип қалды.

 

Жалған тәлийматлардан сақ болыңлар!

 

5Ийсаның шәкиртлери арғы жағаға өткенде, нан әкелиўди умытып кеткен еди. 6Ийса оларға:
– Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар! – деди.
7Сонда олар:
– Нан әкелмегенимиз ушын солай деп атырған шығар, – деп өз ара айтыса баслады.
8Ийса буны билип, оларға:
– Ҳәй, исеними азлар, сизлер неге өз ара нан әкелмегениңизди айтысып турсызлар? 9Еле де түсинбедиңлер ме? Бес нан бес мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 10Және де жети нан төрт мың адамға жетип, аўысқанын жыйнағаныңызда неше себет толтырғаныңыз есиңизде жоқ па? 11Мениң сизлерге нан ҳаққында айтпағанымды неге түсинбейсизлер? Парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң ашытқыларынан сақ болыңлар, – деди.
12Олар сонда ғана Оның нанның ашытқысынан емес, ал парисейлердиң ҳәм саддукейлердиң тәлийматларынан сақ болыўды айтқанлығын түсинди.

 

Петрдиң Ийсаның Масих екенин мойынлаўы

 

13Ийса Филип Кесариясындағы үлкеге келгенде, Өз шәкиртлеринен:
– Адамлар Мени, Адам Улын ким деп санайды? – деп сорады.
14Олар:
– Гейбиреўлери Шомылдырыўшы Яқыя, гейбиреўлери Илияс, ал базылары Еремия ямаса пайғамбарлардың бири деп санайды, – деди.
15Ийса оларға:
– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деди.
16Симон Петр жуўап қайтарып:
– Сен – Масихсаң[59], тири Қудайдың Улысаң, – деди.
17Ийса оған:
– Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди. 18Саған Мениң айтатуғыным мынаў: сен – Петрсең[60], Мен мына тастың үстине Өз жәмәәтимди орнатаман, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайды. 19Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, – деп жуўап берди.
20Соннан соң, Ийса шәкиртлерине Өзиниң Масих екенлигин ҳеш кимге айтпаўларын буйырды.

 

Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында

 

21Сол ўақыттан баслап Ийса Өзиниң Ерусалимге барып, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен көп азап шегиўи ҳәм өлтирилиўи, бирақ үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин шәкиртлерине билдире баслады.
22Петр Ийсаны шетке шақырып алып, Оған:
– Қудай сақласын, Ийем! Саған бундай бола көрмесин! – деп қарсы сөйлей баслады.
23Ийса бурылып, Петрге:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Маған кесент берип атырсаң. Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.

 

Өзинен кешип, Ийсаға ериў

 

24Сонда Ийса Өз шәкиртлерине:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 25Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады. 26Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? 27Адам Улы Әкесиниң салтанатында Өз периштелери менен бирге келеди. Сонда Ол ҳәр кимге ислеген ислерине қарай қайтарады. 28Сизлерге шынын айтып турман: усы жерде турғанлардың гейбиреўлери Адам Улының Өз Патшалығында келиўин көрмегенше, өлмейди, – деди.

 

17

 

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

 

1Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты. 2Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды. 3Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди. 4Сонда Петр Ийсаға:
– Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
5Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
6Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бет-әлпетинен жерге жығылды. 7Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де:
– Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.
8Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.
10Сонда олар:
– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
11Ийса оларға:
– Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди. 12Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.
13Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.

 

Жин урған баланың шыпа табыўы

 

14Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:
15– Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады. 16Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.
17Ийса жуўап қайтарып:
– Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.
18Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
19Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип:
– Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
20-21Ийса оларға:
– Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай[61] ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [62]

 

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында және билдириўи

 

22Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи. 23Олар Оны өлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
Буған олар қатты қапа болды.

 

Ибадатхана салығы

 

24Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық[63] Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан:
– Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын төлемей ме екен? – деп сорады.
25Петр:
– Аўа, төлейди, – деди.
Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын:
– Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Өз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады.
26Петр:
– Басқа адамлардан, – деди.
Ийса:
– Олай болса, патшаның балалары салық төлеўден азат. 27Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, төрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен өзиң ушын оларға төле, – деди.

 

18

 

Аспан Патшалығында ең уллы ким?

 

1Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип:
– Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады.
2Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди:
3– Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар. 4Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады. 5Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады.
6Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди. 7Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
8Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гөре, бир қолың ямаса аяғың менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ. 9Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ.
10-11Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Әкемниң жүзин ҳәмме ўақыт көрип турады. [64]

 

Жойтылған қой туўралы тымсал

 

12– Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди? 13Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гөре, таўып алған жалғыз қойына көбирек қуўанады. 14Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Әкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди.

 

Бир-бириңизди ҳақ жолға түсириңлер, бирге дуўа етиңлер!

 

15– Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сөйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сөзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды өзиңе қайтарып алғаның болады. 16Егер ол сөзиңди тыңламаса, өзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, өйткени айтылған барлық сөзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис[65]. 17Егер олардың да сөзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана.
18Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи.
19Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Әкем соны береди. 20Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен.

 

Реҳимсиз хызметши туўралы тымсал

 

21Сонда Петр Ийсаға келип:
– Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады.
22Ийса оған:
– Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен. 23Солай етип, Аспан Патшалығы өз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды. 24Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант[66] қарыздар болған биреўди алып келипти. 25Бирақ ол қарызын төлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның өзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын төлеўди буйырыпты. 26Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен!» – деп жалыныпты. 27Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти. 28Ал хызметши сыртқа шығып, өзине жүз динар[67] қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты. 29Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды төлеймен», – деп жалыныпты. 30Бирақ ол жолдасының сөзин тыңламай, өзине беретуғын қарызын төлемегенше, оны қаматтырып таслапты. 31Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны көрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти. 32Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим. 33Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де өз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти. 34Патша қәҳәрленип, өзине берилетуғын қарыздың бәрин төлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты.
35Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди, – деди.

 

19

 

Ажырасыў туўралы

 

1Ийса усы сөзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды. 2Оның изине көп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди.
3Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап көриў ушын:
– Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп Оннан сорады.
4Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди:
– Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын[68] сизлер оқымағансызлар ма? 5Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады»[69]. 6Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын.
7Олар Ийсаға:
– Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамның ҳаялына талақ хат берип ажырасыўын буйырған? – деди.
8Ийса оларға:
– Муўса сизлер тас баўыр болғанлықтан, ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди. 9Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким өз ҳаялы менен некеге ҳадалсызлығынан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады[70], – деди.
10Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған:
– Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбегенниң өзи жақсырақ-ғо, – деди.
11Ийса оларға:
– Буны ҳәр бир адам қабыл ете алмайды, бирақ кимге Қудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады. 12Өйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын өз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сөзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди.

 

Ийсаның балаларға пәтия бериўи

 

13Сол ўақытта адамлар Ийсаға олардың үстине қолын қойып дуўа етсин деп, балаларын алып келди. Ал шәкиртлер оларға кейиди. 14Бирақ Ийса:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди.
15Соңынан Ол балалардың үстине қолын қойып дуўа етти де, сол жерден кетип қалды.

 

Бай жигит

 

16Сонда бир жигит Ийсадан:
– Устаз! Мәңгилик өмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады.
17Ийса оған:
– Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Қудай ғана ийгиликли-ғо. Ал мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди.
18Жигит Ийсадан:
– Қандай буйрықларды? – деп сорады.
Ийса:
– «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, 19ата-анаңды ҳүрметле[71] ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй![72]», – деди.
20Жас жигит Оған:
– Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди.
21Ийса оған:
– Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22Бул сөзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Өйткени оның байлығы көп еди.
23Ийса Өз шәкиртлерине:
– Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын. 24Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
25Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
26Ал Ийса оларға қарап:
– Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
27Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди.
28Ийса оларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Өзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўын ҳүким етесизлер. 29Сонда Мениң атым ушын өз үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жер-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик өмирге ийе болады. 30Бирақ бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.

 

20

 

Жүзим бағындағы жумысшылар туўралы тымсал

 

1Ийса және былай деди:
– Аспан Патшалығы өзиниң жүзим бағына жумысшыларды жаллап алыў ушын таң азанда шыққан үй ийесине уқсайды. 2Ол жумысшылар менен күнине бир динар төлеўге келисип, оларды өзиниң жүзим бағына жиберипти. 3Саат тоғызлар шамасында шығып, базарда жумыссыз турған адамларды көрип, 4оларға:
– Сизлер де мениң жүзим бағыма барыңлар, мен сизлерге тийисли ҳақыларыңызды беремен, – дегенде, олар барыпты. 5Ол саат он екилер шамасында да, түстен кейин үшлер шамасында да шығып, тағы усылай ислепти. 6Кешки беслер шамасында да шығып, еле жумыссыз турған басқа адамларды көрип, оларға: «Неге бул жерде күн бойы жумыссыз турсызлар?» – деп сорапты. 7Олар: «Себеби бизлерди ҳеш ким жаллап алған жоқ», – деп жуўап берипти. Ол: «Сизлер де мениң жүзим бағыма барып, мийнет етиңлер», – депти. 8Күн кеш болғанда, бағдың ийеси өзиниң басқарыўшы хызметкерине: «Жумысшыларды шақырып алып, мийнет ҳақыларын бер. Ең соңғы келгенлеринен баслап, ең алдыңғы келгенлери менен жуўмақла», – депти. 9Сонда кешки беслер шамасында келгенлер бир динардан алыпты. 10Ал ең алды менен келгенлер: «Бизлер көбирек алармыз», – деп ойлапты, бирақ олар да бир динардан алыпты. 11Ис ҳақыларын алған олар үй ийесине тоңқылдап: 12«Мына ең соңында келгенлер бир саат ғана жумыс иследи. Ал сиз оларды күни бойы азапланып, ыссыға күйип жумыс ислеген бизлер менен тең еттиңиз», – депти. 13Бирақ бағдың ийеси жуўап қайтарып, олардың биреўине: «Ҳәй, достым, мен саған әдилсизлик етип турған жоқпан. Сен мениң менен бир динарға келискен жоқ па едиң? 14Ҳақыңды алып, жөниңе кет. Мен мына соңғы адамға да саған бергенимдей бергим келеди. 15Мениң өз ақшам менен қәлегенимди ислеўиме ерким жоқ па? Мениң сақыйлығыма иши тарлық қылып турсаң ба?» – депти.
16Солай етип, соңғылар бириншилер, бириншилер соңғылар болады.

 

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи

 

17Ерусалимге баратырғанда, Ийса жолда он еки шәкиртин аўлақта шақырып алып, оларға:
18– Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, 19Оны масқаралаў, сабаў, атанақ ағашқа шегелеп таслаў ушын, басқа миллет адамларына услап береди. Бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.

 

Яқып ҳәм Юханның анасының өтиниши

 

20Сол ўақытта Зебедейдиң улларының анасы уллары менен Ийсаның қасына келди. Оның аяғына жығылып, бир нәрсе сорамақшы болды.
21Ийса оннан:
– Тилегиң не? – деп сорады.
Ҳаял Оған:
– Өз патшалығыңда усы еки улымның биреўин оң жағыңа, екиншисин сол жағыңа отырғызыўды ўәде ет, – деди.
22Ал Ийса жуўап қайтарып:
– Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма?[73] – деди.
Олар:
– Аўа, ише аламыз, – деди.
23Ийса оларға:
– Мениң кесемнен ишесизлер. Бирақ, Өзимниң оң жағым менен сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Әкем кимлерге арнаған болса, солар отырады, – деди.
24Буны еситкен он шәкирти ағалы-инили екеўине ашыўланып қалды. 25Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, былай деди:
– Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 26Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, сол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 27Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол сизлерге қул болыўы шәрт. 28Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын, Өз жанын қурбан етиўге келди.

 

Ийсаның еки соқырға шыпа бериўи

 

29Олар Ерихо қаласынан шыққанда, көп халық Ийсаның изине ерди. 30Сонда жолдың шетинде отырған еки соқыр адам Ийсаның өтип баратырғанын еситип:
– Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты.
31Халық үнлерин шығармаўды айтып, оларға кейиди. Бирақ олар оннан да бетер қатты бақырысып:
– Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – дести.
32Ийса тоқтап, оларды шақырып алды да:
– Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
33Олар:
– Ийем, көзлеримизди ашыўыңды, – деп жуўап берди.
34Ийса оларға жаны ашып, көзлерине қолын тийгизди.
Сол ўақытта-ақ олардың көзлери ашылып, Оның изине ерди.

 

21

 

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

 

1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап, 2оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер. 3Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп жуўап берсеңлер, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди.
4Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:

 

5«Сион қызына[74] айтыңлар:
Мине, сениң Патшаң жас ешекке, яғный гүрреге минип,
кишипейиллик пенен саған киятыр!»[75]

 

6Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи. 7Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине салғанда, Ийса гүрреге минип алды. 8Халықтың көпшилиги өз шапанларын жолға төсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды. 9Алдында ҳәм изде ерип киятырған халық қуўанысып:

 

– Даўыттың Урпағына ҳосанна![76]
Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!
Ең жоқарыда ҳосанна![77] – деп бақырысты.

 

10Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып:
– Бул ким? – деп сорады.
11Халық:
– Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – дести.

 

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

 

12Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, 13оларға:
– «Мениң үйим дуўа ететуғын үй деп аталады»[78], – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар![79] – деди.
14Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди. 15Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды көрип, ашыўланып қалды да, 16Оған:
– Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди.
Ийса оларға:
– Аўа! Сизлер: «Нәрестелер менен емизиўли балалардың аўзынан Өзиңе мақтаўлар айтқыздың»[80], – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди.
17Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди.

 

Қуўрап қалған әнжир ағашы

 

18Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды. 19Жол бойында бир әнжир ағашын көрип, оның қасына барды. Бирақ онда жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа:
– Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис өспесин, – деди.
Әнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды. 20Шәкиртлери буны көргенде таң қалысып:
– Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады.
21Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ал мына таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула!» – десеңлер, сондай болады. 22Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди.

 

Ийсаның бийлиги

 

23Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип:
– Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
24Ийса жуўап қайтарып:
– Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 25Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди.
Олар өз ара ойласып: «Егер „аспаннан“ десек, Ол бизлерге: „Сонда неге сизлер оған исенбедиңлер“, – дейди. 26Ал егер „Адамлардан“ деўге халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды-ғо!» – дести.
27Сонлықтан олар Ийсаға:
– Билмеймиз, – деп жуўап берди.
Ол:
– Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.

 

Еки ул туўралы тымсал

 

28– Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин барып, жүзим бағында исле», – депти. 29Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан өкинип, барыпты. 30Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, тақсыр, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты.
31Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса.
– Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар.
Ийса оларға былай деди:
– Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Қудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди. 32Өйткени Яқыя сизлерге ҳақ жолды көрсетиў ушын келген еди, бирақ сизлер оған исенбедиңлер. Ал салықшылар менен бузық ҳаяллар оған исенди, бирақ сизлер буны көргеннен кейин де тәўбе етпедиңлер ҳәм исенбедиңлер.

 

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

 

33– Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. 34Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол өзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти. 35Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин өлтирип, ал және биреўин тас пенен урыпты. 36Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да көп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти. 37Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 38Бирақ дийханлар оның улын көрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти. 39Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып өлтирипти.
40Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады?
41Олар Ийсаға:
– Ол бул жаўызларды реҳимсиз өлим менен өлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди.
42Ийса оларға былай деди:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сөзлерди оқымағансызлар ма?

 

«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
Ийемиз қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»[81]

 

43Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Өз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди. 44Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды.
45Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның өзлери ҳаққында айтқанын түсинип, 46Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди.

 

22

 

Үйлениў тойы туўралы тымсал

 

1Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам еттирип, былай деди:
2– Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласына үйлениў тойын бериўине уқсайды. 3Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. 4Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. 5Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. 6Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти. 7Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти. 8Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. 9Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. 10Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты. 11Патша қонақларды көриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге көзи түсип, 12оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти. 13Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқы қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди».
14Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз.

 

Салық төлеў туўралы

 

15Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады. 16Оған Ҳиродтың адамлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды:
– Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Себеби Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. 17Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па?
18Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға:
– Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? 19Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди.
Олар Оған бир динар әкелип берди. 20Ол:
– Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
21Олар:
– Рим патшасы-Қайсардың, – деп жуўап берди.
Сонда Ийса:
– Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
22Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды.

 

Қайта тирилиў туўралы сораў

 

23Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды:
24– Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин», – деген-ғо. 25Бизде жети ағайинли жигит бар еди. Солардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. 26Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. 27Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 28Ал енди қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо.
29Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 30Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 31Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? 32Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман»[82], – деген-ғо. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы.
33Буны еситкен халық Оның тәлийматына таң қалды.

 

Ең баслы буйрық

 

34Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналысты. 35Олардың арасынан бир диний муғаллим Ийсаны сынамақшы болып, 36Оннан:
– Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады.
37Ийса оған:
– «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй»[83]. 38Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. 39Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»[84]. 40Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди.

 

Масих – кимниң Урпағы?

 

41Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан:
42– Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол – кимниң урпағы? – деп сорады.
– Ол – Даўыттың Урпағы, – деди олар.
43Ийса олардан:
– Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масихты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо:

 

44«Ийем мениң Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»[85]

 

45Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.
46Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.

 

23

 

Ийсаның диний муғаллимлер менен парисейлерди айыплаўы

 

1Сонда Ийса халыққа ҳәм Өзиниң шәкиртлерине былай деди:
2– Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды. 3Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын өзлери ислемейди. 4Олар көтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди. 5Олар барлық ислерин адамлардың көзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды. 6Олар тойларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы көреди. 7Базарда адамлардың өзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады. 8Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз. 9Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар[86], өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Әкеңиз бар, Ол аспанда. 10Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих. 11Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын. 12Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
13-14Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Өзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. [87]
15Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер өз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны өзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар.
16Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли». 17Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Қайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма? 18Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер. 19Ҳәй, соқырлар! Қайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба? 20Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады. 21Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Қудай менен де ант еткен болады. 22Аспан менен ант етиўши адам Қудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Қудай менен де ант еткен болады.
23Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы өсимликлердиң оннан бирин Қудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бөлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. 24Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер!
25Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо. 26Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады.
27Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып көринсе де, иши өликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо. 28Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға өзлериңизди ҳақ адам етип көрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа[88] толы.

 

Жазаларыңызды тартасызлар!

 

29– Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп: 30«Егер де ата-бабаларымыздың заманында өмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын төгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер. 31Солай етип, өзлериңиздиң пайғамбарларды өлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер. 32Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мөлшерин толықтыра бериңлер! 33Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар? 34Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин өлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар. 35Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди. 36Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады.

 

Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы

 

37– Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 38Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. 39Сизлерге айтатуғыным: «Қудайдың атынан Келиўши жарылқанған!»[89] – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер.

 

24

 

Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы

 

1Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди. 2Сонда Ийса оларға:
– Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип:
– Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 5Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды. 6Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 7Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. 8Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады.
9Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди. 10Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди. 11Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды. 12Жаўызлық[90] көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. 13Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.

 

Ең уллы апат

 

15– Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын көргениңизде[91] (оқыған адам мәнисин түсинсин!), 16Яҳудиядағылар таўларға қашсын. 17Ким де ким үйиниң төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп төменге түспесин. 18Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын. 19Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 20Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине[92] туўра келмесин деп, Қудайға дуўа етиңлер. 21Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады. 22Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Қудай Өзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады.
23Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер. 24Өйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Қудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 25Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер. 27Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады.
28Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.

 

Адам Улының қайта келиўи

 

29– Сол күнлердиң апатынан соң,

 

«бирден күн қараңғыланады,
ай өз жақтысын түсирмейди,
жулдызлар аспаннан түсип,
аспан күшлери силкинеди»[93].

 

30Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын көреди. 31Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.

 

Әнжир ағашын мысалға алыңлар!

 

32– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 33Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер! 34Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады. 35Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.

 

Сол күнди ямаса саатты ҳеш ким де билмейди

 

36– Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. 37Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. 38Өйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге[94] минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. 39Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. 40Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 41Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. 43Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. 44Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким? 46Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы! 47Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 48Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап, 49хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе, 50сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, 51оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.

 

25

 

Он қыз туўралы тымсал

 

1– Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды. 2Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты. 3Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты. 4Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты. 5Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты. 6Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти. 7Сонда қызлардың ҳәммеси турып, өзлериниң шыраларын таярлапты. 8Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сөнип атыр», – депти. 9Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти. 10Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келип, таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти. 11Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты. 12Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты.
13Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер-ғо.

 

Аманат етилген талант туўралы тымсал

 

14– Аспан Патшалығы бир адамның узақ жолға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға өзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды. 15Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты. 16Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты. 17Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты. 18Бир талант алғаны барып, ийесиниң ақшасын жерге көмип жасырыпты.
19Арадан көп ўақыт өткеннен соң хызметшилердиң ийеси қайтып келип, олардан есап талап етипти. 20Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Ийем, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти. 21Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. 22Еки талант алғаны да келип: «Ийем, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти. 23Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти.
24Соңынан бир талант алғаны да келип: «Ийем, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз өзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз. 25Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге көмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти. 26Ал ийеси оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң өзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды сен билипсең. 27Сонлықтан да, мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде өзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо. 28Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер! 29Өйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 30Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқы қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди».

 

Ақырзамандағы ҳүким

 

31– Адам Улы Өз салтанатында ҳәм барлық периштелери менен бирге келгенде, Өзиниң салтанатлы тахтына отырады. 32Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бөледи. 33Қойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды. 34Сонда патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Әкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар. 35Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шөллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар. 36Жалаңаш болғанымда, Маған кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, Мени күттиңлер, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди. 37Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды көрип, Саған аўқат бердик, қашан шөллегениңди көрип, суў бердик? 38Қашан жат жерде жүргениңди көрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, Саған кийим бердик? 39Қашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды көрип, Саған бардық?» – дейди. 40Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди. 41Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның хызметшилери[95] ушын таярланып қойылған мәңгилик отқа кетиңлер! 42Өйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шөллегенимде, суў бермедиңлер. 43Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, Маған кийим бермедиңлер, наўқас, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди. 44Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шөллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды көрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди. 45Сонда патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди.
46Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик өмирге ериседи.

 

26

 

Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў

 

1Ийса усы сөзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Өз шәкиртлерине:
2– Енди еки күннен соң, Қутқарылыў байрамы[96] болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди.
3Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды. 4Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип алып өлтириў ҳаққында тил бириктирди. 5Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.

 

Ийсаның басына әтир май қуйылыўы

 

6Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде 7дастурхан басында отырғанда, қолында қымбатлы әтир майға толған мәрмер ыдысы бар бир ҳаял Оның қасына келип, әтир майды Оның басына қуйды. 8Буны көрген шәкиртлери ашыўланып:
– Бундай ысырапкершиликтиң неге кереги бар? 9Бул әтир майды қымбатқа сатып, ақшасын жарлыларға үлестириўге болар еди-ғо, – дести.
10Бирақ Ийса буны еситип, оларға:
– Бул ҳаялды неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. 11Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 12Ол бул әтир майды денеме қуйып, Мени жерлеўге таярлады. 13Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.

 

Яҳуданың сатқынлығы

 

14Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири болған Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып:
15– Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады.
Олар оған отыз гүмис теңге усынды. 16Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.

 

Ийсаның Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамының асын жеўи

 

17Ашытқысыз нан байрамының[97] биринши күнинде Ийсаның шәкиртлери Оған келип:
– Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын қай жерде таярлық көриўимизди қәлейсең? – деп сорады.
18Ол жуўап берип былай деди:
– Қаладағы пәленше деген адамға барып, оған: «Устазымыз: „Мениң күним жақынлап қалды. Шәкиртлерим менен бирге байрам аўқатын сениң үйиңде жеймен“, деди», – деп айтыңлар.
19Шәкиртлери Ийсаның тапсырғанын ислеп, байрам аўқатын таярлады.
20Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 21Олар аўқатланып отырғанда, Ийса оларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
22Сонда олар қатты қапа болып, биринен соң бири Оннан:
– Мен емеспен бе, Ийем? – деп сорай баслады.
23Ийса оларға жуўап берип:
– Мениң менен бирге табаққа қолын салғанның өзи Маған сатқынлық ислейди. 24Деген менен, Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
25Сонда Оған сатқынлық қылатуғын Яҳуда:
– Мен емеспен бе, Устаз? – деди.
Ийса оған:
– Буны сен өзиң айттың, – деп жуўап берди.

 

Ийсаның соңғы кешеси

 

26Олар аўқатланып отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, шәкиртлерине берди де:
– Алыңлар, жеңлер, бул – Мениң денем, – деди.
27Соңынан Ол кесени қолына алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оларға кесени берип былай деди:
– Ҳәммеңиз буннан ишиңлер! 28Себеби бул – көп адамның гүналарының кеширилиўи ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 29Сизлерге айтатуғыным: Әкемниң Патшалығында сизлер менен жаңасын ишетуғын күниме дейин, Мен бундай жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен.
30Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.

 

Петрдиң Ийсадан таныўы туўралы болжаў

 

31Сонда Ийса оларға:
– Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған:

 

«Шопанды урғанымда,
Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди»[98].

 

32Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
33Петр Оған жуўап берип:
– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди.
34Ийса оған:
– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
35Петр Оған:
– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.
Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.

 

Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи

 

36Соңынан Ийса шәкиртлери менен бирге Гетсемани деген жерге келип, оларға:
– Мен ана жерге барып дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
37Өзи менен бирге Петрди ҳәм Зебедейдиң еки улын алып кетти де, қайғырып қыйнала баслады. 38Сонда Ийса оларға:
– Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, Мениң менен бирге сергек болып турыңлар, – деди.
39Соңынан Ол бираз шетирек барды да, бетин жерге басып, былай деп дуўа ете баслады:
– Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлеўиң болсын!
40Шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге:
– Солай етип, сизлер Мениң менен бирге уйықламай бир саат та отыра алмадыңлар ма? 41Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер! Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
42Ийса екинши рет барып, және былай деп дуўа етти:
– Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын.
43Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди.
44Оларды қалдырып, және барып, үшинши рет те сол сөзлерин қайталап дуўа етти. 45Соңынан шәкиртлериниң қасына қайтып келип, оларға:
– Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Мине, ўақыт болды, Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 46Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.

 

Ийсаның қолға алыныўы

 

47Ийса еле сөйлеп турғанда, он екиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары жиберген жүдә көп адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 48Ийсаға сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны қолға алыңлар», – деген еди.
49Ол дәрриў Ийсаның қасына барып:
– Ассалаўма әлейкум, Устаз! – деп Оны сүйди.
50Ийса оған:
– Ҳәй, достым, неге келдиң? – деди.
Сонда олар Ийсаға жақынлап келди де, Оған қол салып услап алды. 51Сол ўақытта-ақ Ийса менен бирге болғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 52Бирақ Ийса оған:
– Қылышыңды қынабына салып қой! Қылыш көтериўшилердиң ҳәммеси де қылыштан қаза табады. 53Сен егер Мен ҳәзир Әкемнен сорасам, Ол Маған он еки легионнан[99] да артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба? 54Бирақ егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланар еди? – деди.
55Сонда Ийса халыққа:
– Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? Мен ҳәр күни Ибадатханада отырып тәлим беретуғын едим, бирақ сизлер Мени усламадыңлар. 56Усылардың ҳәммеси пайғамбарлардың Жазыўларының орынланыўы ушын болды, – деди.
Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.

 

Ийса жоқарғы кеңес алдында

 

57Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. 58Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды. 59Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы жалған гүўалық изледи. 60Көплеген жалған гүўалар келсе де, таба алмады. Ақырында еки жалған гүўа келип:
61– Ол: «Қудайдың Ибадатханасын бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклей аламан», – деп айтты, – деди.
62Сонда бас руўханий орнынан турып, Ийсадан:
– Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
63Бирақ Ийса үндемеди. Сонда бас руўханий Оған:
– Мен Саған тири Қудайдың аты менен буйыраман. Бизлерге айтшы: Қудайдың Улы, Масих – Сенбисең? – деп сорады.
64Ийса оған:
– Өзиң айттың. Сизлерге айтатуғыным: усы ўақыттан баслап, сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң[100] оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көресизлер, – деди.
65Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып:
– Ол Қудайға тил тийгизди-ғо! Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? Сизлер ҳәзир Оның Қудайға тил тийгизгенин өзлериңиз еситтиңиз-ғо! 66Сизлердиң ҳүкимиңиз қандай болады? – деп сорады.
Олар жуўап қайтарып:
– Ол өлим жазасына тартылыўы тийис, – деди.
67Сонда олар Оның бетине түкирип, Оны ура баслады. Биреўлер бетине шапалақ пенен урып, 68Оған:
– Ҳәй, Масих! Бизлерге ўәлийлик етип айт: Сени ким урды? – деди.

 

Петрдиң Ийсадан үш рет таныўы

 

69Сол ўақытта Петр сыртта, ҳәўлиде отырған еди. Оның қасына бир шоры қыз келип:
– Сен де галилалы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
70Бирақ ол ҳәммениң алдында танып:
– Сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
71Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге:
– Мына адам Насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди.
72Ол ант ишип:
– Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды.
73Бираздан кейин, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған:
– Шынында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур-ғо, – деди.
74Сонда Петр:
– Шынын айтып турман, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады.
Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 75Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.

 

27

 

Ийсаның Пилаттың алдына апарылыўы

 

1Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де, 2Оны байлатып, римли ҳәким Понтий Пилатқа апарып тапсырды.

 

Яҳуданың өзин өзи өлтириўи

 

3Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4– Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди.
Олар оған:
– Бизлерге не? Өзиң бил, – деди.
5Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди.
6Бас руўханийлер гүмисти алып:
– Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны-ғо, – деди.
7Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады. 8Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады.
9Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды:

 

«Олар отыз гүмис теңгени, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған
Оның қунын алып,
10Жаратқан Ийемниң маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди»[101].

 

Өлим ҳүкими

 

11Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
12Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13Сонда Пилат Оған:
– Саған қарсы қаншама гүўалықлар айтып атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14Бирақ Ийсаның өзиниң бирде бир сөзине жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў – ҳәкимниң әдети еди. 16Сол ўақытта қамақта Бараба деген белгили бир жынаятшы бар еди. 17Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди:
– Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Барабаны ма ямаса Масих деп аталатуғын Ийсаны ма?
18Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим».
20Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп:
– Барабаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди.
21Ҳәким олардан және:
– Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
Олар:
– Барабаны, – деди.
22Пилат оларға:
– Ал Масих деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады.
Олардың ҳәммеси де:
– Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деди.
23Ал Пилат олардан:
– Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады.
Бирақ олар бурынғысынан бетер:
– Оны атанақ ағашқа шегелетип тасла! – деп бақырысты.
24Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып:
– Бул Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25Пүткил халық:
– Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26Сонда Пилат оларға Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.

 

Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы

 

27Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәкимниң ҳәўлисине алып барып, оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады. 28Оның кийимлерин шешип, үстине шым қызыл шапан кийгизди де, 29тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына салды. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдында дизелерин бүгип:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30Оған түкирип, қамысты алып, Оның басына урды. 31Оны мазақ қылып болғаннан соң, үстиндеги шым қызыл кийимди шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.

 

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

 

32Әскерлер шығып баратырғанда Симон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 33Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде, 34олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.
35Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти[102], 36соңынан отырып, Оны қараўыллады. 37Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды бас бетиндеги ағашқа қағып қойды. 38Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашларға шегеледи.
39Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оны мазақ етип:
40– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқар! Атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.
41Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди:
42– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз. 43Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.

 

Ийсаның жан тапсырыўы

 

45Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 46Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен:
– Ели, Ели! Лама сабахтани? (Яғный: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?»[103]) – деп бақырды.
47Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:
– Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
48Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына сиңдирди де, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49Ал басқалары:
– Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести.
50Ийса және қатты даўыслап бақырды да, жан тапсырды.
51Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды. 52Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддес адамлардың көбиси қайта тирилди. 53Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди.
54Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып:
– Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
55Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди. 56Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптың анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.

 

Ийсаның қәбирге қойылыўы

 

57Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди. 58Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды. 59Юсуп денени алып, оны таза кепинликке орады да, 60өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды. 61Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.

 

Қәбирди қараўыллаў

 

62Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен[104] кейинги дем алыс күни[105] бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып, 63оған:
– Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти. 64Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65Пилат оларға:
– Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды.

 

28

 

Ийсаның қайта тирилиўи

 

1Яҳудийлердиң дем алыс күни өткеннен соң, екшемби күни таң сәҳәрде магдалалы Мәриям ҳәм басқа Мәриям қәбирди көриўге келди. 2Бирден жер қатты силкинип, Қудайдың периштеси аспаннан түсип келди де, қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. 3Периштениң түси жылдырымдай болып, кийими қардай аппақ еди. 4Сақшылар оннан қатты қорқып қалтырасты ҳәм өли сыяқлы болып, жаны қалмады.
5Периште ҳаялларға:
– Қорқпаңлар! Атанақ ағашқа шегеленген Ийсаны излеп келгенлериңизди билемен. 6Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер. 7Ҳәзир тез Оның шәкиртлерине барып: «Ийса өлимнен қайта тирилипти! Ол сизлерден бурын Галилаға барады. Оны сол жерде көресизлер!» – деп айтып барыңлар. Мениң сизлерге айтатуғыным усы, – деди.
8Ҳаяллар биресе қорқысып, биресе қатты қуўанысып, қәбирден тез шықты да, Оның шәкиртлерине хабарды жеткизиў ушын асығып жуўырып кетти.
9Күтилмегенде Ийса олардың алдынан шығып:
– Ассалаўма әлейкум! – деди.
Олар жақынлап келди де, Ийсаның аяғын қушақлап, Оған табынды. 10Сонда Ийса оларға:
– Қорқпаңлар! Мениң туўысқанларыма барып айтыңлар, Галилаға барсын. Олар Мени сол жерде көреди, – деди.

 

Сақшылардың хабары

 

11Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди. 12Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип:
13– «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. 14Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди.
15Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.

 

Уллы тапсырма

 

16Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды. 17Олар Ийсаны көргенде, Оған табынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды. 18Сонда Ийса олардың қасына келип:
– Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. 19Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, 20Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.

 

 

 

Марк

Марк жазған Хош Хабар

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул Хош Хабарды Юхан Марк жазған. Ол китапты яҳудий емеслерге, яғный римлилерге ҳәм басқа миллет адамларына қарата жазған болыўы мүмкин. Себеби китапта яҳудийлердиң үрп-әдетлери ҳәм арамейше сөзлердиң мәнислери түсиндириледи.
Марк Ийсаны Өз бийлиги менен ҳәрекет еткен Қудайдың Улы сыпатында сүўретлейди. Ийсаның бийлиги тәлим бергенде, жинлерди қуўып шығарғанда ҳәм адамлардың гүналарын кеширгенде белгили болатуғыны ҳаққында сөз етеди.
Және де усы китаптағы 10:45 та Ийсаның Өзи: «Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етип, көплердиң қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди», – деп айтқанындай, Марк Ийсаны барлық адамларды гүнадан азат қылыў ушын Қудай жиберген хызметши сыпатында көрсетеди.

 

1

 

Яқыяның жол таярлаўы

 

1Қудайдың Улы Ийса Масихтың[1] Хош Хабарының басланыўы. 2Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған:

 

«Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен,
ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды[2].
3Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жолларын дүзетиңлер!“»[3]

 

4Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды[4]. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 5Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.
6Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. 7Ол халыққа жәриялап:
– Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 8Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх[5] пенен шомылдырады, – деди.

 

Ийсаның шомылдырылыўы

 

9Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. 10Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Өзиниң үстине түскенин көрди. 11Сонда аспаннан:
– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
12Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге апарды. 13Ийса шөлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.

 

Ийсаның шәкиртлерин таңлаўы

 

14Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын жәриялап:
15– Ўақыт болды, Қудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип[6], Хош Хабарға исениңлер! – деди.
16Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 17Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер[7] қыламан, – деди.
18Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
19Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. 20Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.

 

Ийсаның жаўыз руўхлы адамға шыпа бериўи

 

21Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни[8] болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға[9] кирип, адамларға тәлим бере баслады. 22Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди.
23Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол:
24– Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады.
25Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип:
– Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
26Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. 27Ҳәмме таң қалысып, өз ара:
– Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести.
28Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.

 

Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи

 

29Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди. 30Симонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. 31Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти.
32Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. 33Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. 34Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.

 

Ийсаның Галиладағы ўазы

 

35Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Өзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти. 36Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты. 37Оны тапқаннан соң, Оған:
– Ҳәмме Сени излемекте, – дести.
38Ол жуўап берип:
– Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди.
39Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.

 

Ийсаның мақаў кесел болған адамға шыпа бериўи

 

40Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан:
– Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп өтинди.
41Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
42Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды. 43Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де:
44– Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
45Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.

 

2

 

Ләң адамның шыпа табыўы

 

1Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти. 2Көп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтты. 3Сонда Оған төрт адам бир ләң адамды көтерип алып келди. 4Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди. 5Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға:
– Балам, гүналарың кеширилди! – деди.
6Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: 7«Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.
8Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип:
– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 9Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме? 10Бирақ, Адам Улының[10] жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: 11– Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.
12Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап:
– Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқпыз, – дести.

 

Лебийдиң шәкирт болыўы

 

13Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. 14Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди көрди де, оған:
– Мениң изиме ер! – деди.
Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
15Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди. 16Парисейлер[11] арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине:
– Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.
17Буны еситкен Ийса:
– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.

 

Ораза ҳаққында сораў

 

18Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип:
– Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
19Ийса оларға:
– Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. 20Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады.
21Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады. 22Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.

 

Дем алыс күни ҳаққында сораў

 

23Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. 24Парисейлер Ийсаға:
– Қара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
25Ийса оларға:
– Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? 26Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Қудайға арналған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
27Ол және:
– Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған. 28Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.

 

3

 

Ийсаның қолы ләң адамға шыпа бериўи

 

1Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди. 2Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни[12] сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 3Ийса қолы ләң адамға:
– Ортаға шық, – деди. 4Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады.
Бирақ олар үндемеди. 5Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға:
– Қолыңды соз, – деди.
Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 6Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады.

 

Теңиз жағасындағы халық

 

7Ийса Өз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан көп халық ерип жүрди. 8Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә көп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди. 9Халық көп жыйналғанлықтан, Өзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды. 10Себеби Ол көп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты. 11Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны көргенде, Оның алдына жығылып:
– Сен – Қудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди.
12Бирақ Ол Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди.

 

Ийсаның он еки елшисин таңлаўы

 

13Ийса таўға шығып, Өзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди. 14-15Өзи менен бирге болыў ушын, Қудайдың сөзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады.
16Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон, 17Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан, 18Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер[13] Симон 19ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.

 

Ийса ҳәм Белзебүл

 

20Соңынан Ийса үйге киргенде, және көп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды. 21Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Өйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди.
22Ерусалимнен келген диний муғаллимлер:
– Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
23Сонда Ийса оларды Өзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сөйлей баслады:
– Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады? 24Егер бир патшалық өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 25Бир үй өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 26Егер шайтан өзине өзи қарсы шығып, өз ара бөлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени.
27Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
28Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи. 29Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады. 30Ийса бул сөзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты.

 

Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары

 

31Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты. 32Әтирапында отырған аламан Ийсаға:
– Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести.
33Ийса оларға жуўап қайтарып:
– Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 34әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 35Ким де ким Қудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.

 

4

 

Туқым себиўши туўралы тымсал

 

1Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды. 2Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди:
3– Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. 4Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты. 5Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. 6Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти.
9Қулағы бар жақсылап еситип алсын!

 

Тымсалдың мақсети

 

10Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға былай деди:
– Қудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады. 12Солай етип:

 

«Олар қараса да көрмейди,
еситсе де түсинбейди,
қайтып келип, кеширилмейди»[14].

 

Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

 

13Ийса оларға былай деди:
– Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер? 14Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди. 15Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди. 16Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди. 17Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды. 19Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди. 20Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21Ийса оларға және былай деди:
– Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме? 22Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 23Еситиўге қулағы бар еситсин!
24Ийса даўам етип, оларға былай деди:
– Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди. 25Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.

 

Өсип турған туқым туўралы тымсал

 

26Соң Ийса:
– Аспан Патшалығы[15] мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти. 27Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай көгерип өскенин билмепти. 28Өйткени жер өз-өзинен зүрәәт береди: дәслеп көк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән өнеди. 29Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.

 

Қышқыл туқым туўралы тымсал

 

30Ийса тағы былай деди:
– Қудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады? 31Ол қышқыл туқымға[16] уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады. 32Бирақ ол себилгеннен соң өсип, шақалары жайылып, барлық шөплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33Ийса усындай көп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сөз айтты. 34Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.

 

Ийсаның даўылды тоқтатыўы

 

35Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине:
– Теңиздиң арғы жағасына өтейик, – деди.
36Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди. 37Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады. 38Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып:
– Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди.
39Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге:
– Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды.
Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40Ийса оларға:
– Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине:
– Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.

 

5

 

Ийсаның жин урған адамға шыпа бериўи

 

1Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди. 2Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты. 3Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди. 4Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди. 5Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, өзин таслар менен жарақатлайтуғын еди.
6Узақтан Ийсаны көрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып:
7– Қүдиретли Қудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Қудай ушын өтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды.
8Өйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди.
9Сонда Ийса оннан:
– Атың ким? – деп сорады.
Ол:
– Мениң атым үлкен топар[17], себеби бизлер көппиз, – деди 10ҳәм өзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин өтинип, Оған қатты жалынды.
11Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 12Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып:
– Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди.
13Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти.
14Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын көриў ушын келди. 15Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын көргенде қорқып қалысты. 16Болған ўақыяны көргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди.
17Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтине баслады.
18Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған:
– Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды.
19Бирақ Ийса оған рухсат етпей:
– Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт көрсеткенин оларға айтып бер, – деди.
20Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты.

 

Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял

 

21Ийса қайық пенен және арғы жағаға өткенде, әтирапына көп адам жыйналды. Ол жағада турғанда, 22Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:
23– Кишкене қызым өлим төсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды.
24Ийса оның менен бирге кетти. Изине көп халық ерип, тығылыстырып жүрди.
25Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди. 26Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди. 27Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди. 28Өйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
29Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди. 30Сонда Ийса Өзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да:
– Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады.
31Шәкиртлери Оған:
– Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын көрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди.
32Бирақ Ийса буны ким ислегенин көриў ушын, әтирапына қарай баслады. 33Сонда өзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди. 34Ийса оған:
– Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
35Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип:
– Қызыңыз өлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди.
36Бирақ Ийса бул сөзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына:
– Қорқпа, тек исен, – деди.
37Ийса Өзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди. 38Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды көрди. 39Ийса ишке кирип:
– Неге қайғырып, жылап турсызлар? Қыз өлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди.
40Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Өзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бөлмеге кирди. 41Қыздың қолынан услап, оған:
– Талита куми! – деди. Бул: «Қызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.
42Қыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны көргенлер қатты таң қалысты. 43Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.

 

6

 

Насыралылардың Ийсаны тән алмаўы

 

1Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. 2Дем алыс күни[18] болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып:
– Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте? 3Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады.
4Ийса оларға:
– Қәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
5Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады 6ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды.

 

Ийсаның он еки шәкиртине тапсырма бериўи

 

Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди. 7Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. 8Оларға:
– Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар, 9аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды.
10Ол және:
– Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 11Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сөзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди.
12Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди 13ҳәм көп жинлерди қуўып шығарып, көп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди.

 

Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи

 

14Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – өлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, 15базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести.
16Ал буны еситкен Ҳирод:
– Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди.
17Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады. 18Өйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.
19Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны өлтириўди ойлап еди, бирақ өлтире алмады. 20Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сөзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди.
21Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. 22Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға:
– Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди.
23Және де, қызға ант ишип:
– Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди.
24Қыз сыртқа шығып, анасына:
– Не сорайын? – деди.
Анасы:
– Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди.
25Қыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де:
– Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди.
26Патша буған қатты қыйналса да, өзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. 27Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де, 28табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. 29Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды.

 

Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы

 

30Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди. 31Ийса оларға:
– Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди.
Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. 32Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти.
33Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. 34Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады. 35Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип:
– Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. 36Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, – деди.
37Ийса оларға жуўап берип:
– Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар:
– Расында да, еки жүз динарға[19] нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди.
38Ийса оларға:
– Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, – деди.
Олар билип келип:
– Бес нан, еки балық бар екен, – дести.
39Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды. 40Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды. 41Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. 42Олардың ҳәммеси жеп тойды. 43Аўысқан нан бөлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 44Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди.

 

Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

 

45Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. 46Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. 47Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Өзи жағада еди. 48Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын көрди. Таңғы төртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан өтейин деп те қалды. 49Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны көргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. 50Өйткени ҳәммеси Оны көрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў:
– Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди.
51Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. 52Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди.
53Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды. 54Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып, 55пүткил дөгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды төсеклери менен әкеле баслады. 56Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.

 

7

 

Адамды не ҳарамлайды?

 

1Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды. 2Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин көрди.
3Өйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын 4ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да көп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады.
5Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан:
– Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады.
6Ийса оларға:
– Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған:

 

«Бул халық сыйлар Мени тили менен,
Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
7Олар Маған босқа сыйынып,
Адам ойлап тапқан парызларды үйретер»[20].

 

8Сизлер Қудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди.
9Ийса оларға және:
– Сизлер өз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Қудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар. 10Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле[21], ким де ким ата-анасына жаман сөз айтса, өлтирилсин»[22], – деген. 11Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Қудайға қурбан (Қудайға арналған сый) еттим“, десе, 12сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер. 13Солай етип, сизлер өз үрп-әдетлериңиз бенен Қудайдың сөзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы көп ислерди ислейсизлер, – деди.
14Ийса халықты және Өзине шақырып алып былай деди:
– Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар. 15-16Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды, ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды. [23]
17Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады. 18Ийса оларға:
– Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме? 19Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди.
Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты.
20Ол және:
– Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды. 21Өйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам өлтириў, 22неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады. 23Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди.

 

Сирофиникиялы ҳаялдың исеними

 

24Ийса сол жерден шығып, Тир[24] үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады. 25Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды. 26Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды өтинди. 27Ал Ийса оған:
– Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
28Ҳаял жуўап берип:
– Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди.
29Ийса оған:
– Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди.
30Ҳаял үйине келгенде, қызының төсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин көрди.

 

Ийсаның ҳәм герең, ҳәм сақаў адамға шыпа бериўи

 

31Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди. 32Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын өтинди. 33Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди. 34Аспанға қарап гүрсинди де, оған:
– Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди.
35Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сөйлей баслады. 36Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де көбирек жая берди. 37Адамлар қатты таң қалысып:
– Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сөйлейтуғын қылады, – дести.

 

8

 

Ийсаның төрт мың адамды тойғызыўы

 

1Сол күнлери көп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
2– Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ. 3Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди.
4Шәкиртлери Оған жуўап берип:
– Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди.
5Ийса олардан:
– Неше наныңыз бар? – деп сорады.
Олар:
– Жетеў, – деп жуўап берди.
6Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты. 7Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Қудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды. 8Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бөлеклерди жыйнап, жети себет толтырды. 9Ол жерде төрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди 10ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти.

 

Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин талап етиў

 

11Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап көриў ушын, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти. 12Ийса аўыр гүрсинип:
– Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги көрсетилмейди, – деди.
13Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти.

 

Парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысы

 

14Шәкиртлери өзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди. 15Ийса оларды ескертип:
– Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.
16Олар:
– Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, өз ара сөйлесе баслады.
17Ийса буны билип, олардан:
– Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин көрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма? 18Неге көзлериңиз бола тура көрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па? 19Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады.
– Он еки, – деп жуўап берди олар.
20Ийса және:
– Мен жети нанды сындырып, төрт мың адамға бөлистиргенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады.
– Жети, – деп жуўап берди олар.
21Ийса оларға:
– Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди.

 

Ийсаның Бетсайдада соқыр адамға шыпа бериўи

 

22Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин өтинди. 23Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның көзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да:
– Бир нәрсе көрип турсаң ба? – деп сорады.
24Ол қарап:
– Адамларды көрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди.
25Сонда Ийса оның көзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық көре баслады. 26Ийса оны үйине жиберип, оған:
– Аўылға барма! – деди.

 

Петрдиң Ийсаның Масих екенлигин мойынлаўы

 

27Ийса Өз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен:
– Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады.
28Олар жуўап берип:
– Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди.
29Ийса олардан:
– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады.
Петр жуўап берип:
– Сен – Масихсаң[25], – деди.
30Сонда Ийса оларға Өзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти.

 

Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында

 

31Ийса Адам Улының көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады. 32Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сөйлей баслады. 33Ийса бурылып, Өзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
34Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Өзине шақырып алып:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 35Себеби ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. 36Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? 37Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? 38Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди.

 

9

 

1Ийса оларға және:
– Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, – деди.

 

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

 

2Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди. 3Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. 4Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды. 5Петр Ийсаға:
– Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
6Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди.
7Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
8Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға:
– Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.
10Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди. 11Шәкиртлери Ийсадан:
– Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
12Ийса оларға жуўап берип:
– Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған? 13Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.

 

Ийсаның жин урған балаға шыпа бериўи

 

14Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди. 15Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди. 16Ийса олардан:
– Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады.
17Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип:
– Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим. 18Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын өтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди.
19Сонда Ийса оларға:
– Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди.
20Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбик шығып, аўнап жатты. 21Сонда Ийса баланың әкесинен:
– Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады.
Әкеси:
– Кишкене бала ўақтынан усындай. 22Руўх оны өлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гөр, – деди.
23Ийса оған:
– Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди.
24Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип:
– Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды.
25Халықтың жуўырып киятырғанын көргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип:
– Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди.
26Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала өлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың көбиси:
– Ол өлип қалды, – дести.
27Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды.
28Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан:
– Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
29Ийса оларға жуўап берип:
– Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.

 

Ийса және Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында

 

30Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. 31Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип:
– Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
32Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.

 

Уллылық ҳаққында

 

33Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен:
– Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. 35Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға:
– Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
36Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап:
37– Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.

 

Бизлерге қарсы болмаған – бизлердиң тәрепдарымыз

 

38Юхан Ийсаға:
– Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
39Ал Ийса былай деди:
– Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат көрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сөз айта алмайды. 40Өйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз. 41Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды.

 

Азғырыў ҳәм дозақ оты

 

42– Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады. 43-44Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сөнбес отқа барғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [26] 45-46Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [27] 47Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен Қудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. 48«Дозақта олардың қурты да өлмейди, оты да өшпейди»[28].
49Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады.
50Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Өзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди.

 

10

 

Ажырасыў ҳаққында

 

1Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және көп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди.
2Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап көрмекши болып:
– Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
3Ийса сораўға сораў менен жуўап берип:
– Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.
4Олар:
– Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.
5Ийса оларға:
– Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди. 6«Бирақ жаратылыстың басында Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан»[29]. 7«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады 8ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады»[30]. 9Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.
10Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға:
– Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады. 12Ҳаял да өз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.

 

Ийсаның балаларға пәтия бериўи

 

13Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди. 14Буны көргенде Ийса оларға ашыўланып:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. 15Шынын айтып турман:
– Ким де ким Қудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди.
16Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.

 

Бай жигит

 

17Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де:
– Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
18Ийса оған:
– Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 19Оның буйрықларын өзиң билесең-ғо: «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле»[31].
20Ол Ийсаға:
– Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
21Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап:
– Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22Бирақ жигит бул сөзлерди еситкенде түри өзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы көп еди.
23Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине:
– Байлығы барларға Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди.
24Шәкиртлери бул сөзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және:
– Балаларым! Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! 25Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26Олар қатты таң қалысып, бир-бирине:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди.
27Ийса оларға қарап:
– Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудайдың қолынан келеди. Өйткени Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
28Сонда Петр сөз баслап, Оған:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29Ийса жуўап берип:
– Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса, 30ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады. 31Бирақ, бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.

 

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет айтыўы

 

32Олар Ерусалимге көтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Өзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди:
33– Минекей, бизлер Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады. 34Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.

 

Яқып ҳәм Юханның тилеги

 

35Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип:
– Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди.
36Ийса олардан:
– Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
37Олар:
– Өзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести.
38Ийса:
– Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди.
39Олар:
– Аўа, аламыз, – деп жуўап берди.
Ийса оларға:
– Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар. 40Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди.
41Қалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды. 42Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып:
– Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 43Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 44Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт. 45Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди, – деди.

 

Ийсаның соқыр Бартимейге шыпа бериўи

 

46Олар Ерихоға келди. Ийса Өз шәкиртлери ҳәм көп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди. 47Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде:
– Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақыра баслады.
48Көп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып:
– Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
49Ийса тоқтап:
– Оны шақырың, – деди.
Адамлар соқырды шақырып:
– Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.
50Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди.
51Ийса оннан:
– Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады.
Соқыр адам Оған:
– Устаз! Көзлерим көретуғын болсын, – деди.
52Ийса оған:
– Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди.
Сол ўақытта-ақ соқырдың көзи қайтадан көретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.

 

11

 

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

 

1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап, 2оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 3Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер.
4Олар барып, көшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды. 5Сол жерде турған гейбиреўлер оларға:
– Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады.
6Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди. 7Гүррени Ийсаға алып келип, өзлериниң шапанларын оның үстине салғанда, Ийса минип алды. 8Көп адамлар шапанларын жолға төсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды. 9Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты:

 

– «Ҳосанна![32]
Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!
10Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған
патшалығы жарылқанған!
Ең жоқарыда ҳосанна!»[33]

 

11Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени көзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти.

 

Ийсаның әнжир ағашын ғарғаўы

 

12Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды. 13Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын көрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады. 14Сонда Ол ағашқа:
– Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди.
Буны шәкиртлери де еситти.

 

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

 

15Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады 16ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып өтиўге рухсат етпеди.
17Соңынан халыққа тәлим берип:

 

– «Мениң үйим ҳәмме халықлар ушын,
дуўа етиў үйи деп аталады»[34], –

 

деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар[35], – деди.
18Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыў жолын излестире баслады. Өйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди.
19Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти.

 

Қуўрап қалған әнжир ағашы

 

20Олар ерте азанда өтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын көрди. 21Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға:
– Устаз! Қара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди.
22Ийса оларға жуўап берип:
– Қудайға исениңлер. 23Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады. 24Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи. 25-26Дуўа етип турғаныңызда, биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди. [36]

 

Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў

 

27Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип, 28Оннан:
– Сен буларды қандай бийлик пенен ислеп жүрсең? Саған бул ислерди ислеўге ким бийлик берген? – деп сорады.
29Ийса оларға жуўап берип:
– Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де буларды қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 30Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди.
31Олар өз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди. 32„Адамлардан“ дейик пе?»
Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди. 33Сонлықтан олар Ийсаға:
– Билмеймиз, – деп жуўап берди.
Ийса оларға:
– Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.

 

12

 

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

 

1Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады:
– Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. 2Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. 3Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты. 4Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты. 5Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны өлтирипти. Ол және де көп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин өлтирипти. 6Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 7Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти. 8Солай етип, оны услап алып өлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.
9Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. 10Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма:

 

«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11Ийемиз қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»[37]

 

12Олар бул тымсалдың өзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.

 

Салық төлеў туўралы

 

13Соңынан олар Ийсаны сөзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди. 14Олар Ийсаға келип:
– Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасы-Қайсарға салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Төлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады.
15Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип:
– Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, көрейин, – деди.
16Олар алып келгенде, Ол:
– Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
Олар:
– Рим патшасы-Қайсардың, – деди.
17Сонда Ийса оларға жуўап берип:
– Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
Олар Оған таң қалысты.

 

Қайта тирилиў ҳаққында сораў

 

18Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң[38] бир нешеси Ийсаға келип:
19– Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. 20Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай өлип кетти. 21Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай өлип кетти. Үшиншисине де солай болды. 22Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 23Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады.
24Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 25Өйткени адамлар өлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 26Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Қудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Қудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман»[39], – деген-ғо. 27Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.

 

Ең баслы буйрық

 

28Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин көрип, Оннан:
– Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады.
29Ийса оған:
– Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Қудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз. 30Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй»[40]. 31Екиншиси мынадай: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»[41]. Булардан уллы буйрық жоқ, – деди.
32Диний муғаллим Оған:
– Аўа, Устаз! «Қудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың. 33Қудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Қудай жолына берилген садақалардан артық, – деди.
34Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин көрип:
– Сен Қудай Патшалығынан алыс емессең, – деди.
Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.

 

Масих – кимниң Урпағы?

 

35Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып:
– Қалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди? 36Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо:

 

«Ийем мениң Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»[42]

 

37Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады.
Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.

 

Диний муғаллимлер ҳаққында

 

38Ийса тәлим берип:
– Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин, 39мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди. 40Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.

 

Жесир ҳаялдың садақасы

 

41Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды. 42Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. 43Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
– Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды. 44Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.

 

13

 

Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы

 

1Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлериниң бири:
– Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди.
2Ийса оған:
– Мына саўлатлы имаратларды көрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан:
4– Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады.
5Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады:
– Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 6Өйткени көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды. 7Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 8Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. Көп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўындай болады.
9Өзлериңизге сақ болыңлар! Өйткени сизлер ҳүким етилиўге услап берилесизлер ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарылып, оларға гүўалық бересизлер. 10Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт. 11Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сөйлейди. 12Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. 13Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.

 

Ең уллы апат

 

14– Ўайран етиўши жеркенишлиниң турыўға болмайтуғын жерде турғанын көргениңизде[43] (оқыған адам мәнисин түсинсин), Яҳудиядағылар таўларға қашсын! 15Ким де ким үйиниң төбесинде болса, төменге түспесин ҳәм бир нәрсе алайын деп үйине кирмесин. 16Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 17Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 18Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. 19Өйткени сол күнлери Қудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады. 20Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким аман қалмас еди. Бирақ Ол Өзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты.
21Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде» ямаса: «Қараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер. 22Себеби жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 23Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман.

 

Адам Улының қайта келиўи

 

24– Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин,

 

«күн қараңғыланады,
ай өз жақтысын түсирмейди.
25Жулдызлар аспаннан түсип,
аспан күшлери силкинеди»[44].

 

26Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын көреди. 27Ол Өз периштелерин жиберип, дүньяның төрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Өзиниң таңлап алғанларын жыйнап алады.

 

Әнжир ағашын мысалға алыңлар!

 

28– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 29Сол сыяқлы, усы ўақыялардың орынланып атырғанын көрсеңлер, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер. 30Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпестен бурын булардың ҳәммеси болады. 31Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.

 

Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди

 

32– Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. 33Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар[45], өйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер. 34Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғаны сыяқлы. 35Солай етип, сизлер де сергек болыңлар. Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер. 36Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды көрмесин. 37Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!

 

14

 

Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў

 

1Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, өлтириўдиң жолын излестирди.
2Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.

 

Ийсаның басына әтир май қуйылыўы

 

3Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды. 4Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине:
– Бул май неге бийкарға ысырап етилди? 5Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, – десип, ҳаялды айыплай баслады.
6Бирақ Ийса:
– Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо. 7Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 8Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады. 9Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.

 

Яҳуданың сатқынлығы

 

10Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды. 11Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
12Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Қутқарылыў байрамының[46] қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға:
– Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық көриўимизди қәлейсең? – дести.
13Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға:
– Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. 14Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлме қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер. 15Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди.
16Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларын таўып, байрам асын таярлады.
17Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. 18Олар аўқатланып отырғанда, Ийса:
– Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
19Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан:
– Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.
20Ийса оларға жуўап берип:
– Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол. 21Адам Улы Өзи ҳаққында жазылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.

 

Ийсаның соңғы кешеси

 

22Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нан алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де:
– Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.
23Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик етти де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. 24Оларға:
– Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 25Сизлерге шынын айтып турман: Қудай Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.
26Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.

 

Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында

 

27Ийса оларға:
– Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Себеби былай деп жазылған:

 

«Шопанды урғанымда,
Қойлар тарқап кетеди»[47].

 

28Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
29Петр Оған:
– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.
30Сонда Ийса оған:
– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
31Бирақ Петр қызып кетип:
– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.
Қалғанларының ҳәммеси де солай деди.

 

Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи

 

32Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине:
– Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
33Өзи менен бирге Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, қатты қәўетерленип, қыйнала баслады. 34Оларға:
– Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
35Шетирек шығып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Өзинен өтиўин сорап, дуўа ете баслады.
36– Әке, Әкежаным![48] Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди.
37Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге:
– Симон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба? 38Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
39Ол және барып, сол сөзлерин айтып, дуўа етти. 40Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди.
41Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға:
– Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 42Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.

 

Ийсаның қолға алыныўы

 

43Тап сол ўақытта, Ийса еле сөйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 44Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди.
45Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған:
– Устаз! – деп, Оны сүйди.
46Ал адамлар Ийсаға қол салып, услап алды. 47Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 48Сонда Ийса оларға:
– Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 49Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди.
50Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
51Жалаңаш денесине таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда, 52ол оранған таўарын таслап, жалаңаш қашып кетти.

 

Ийса жоқарғы кеңес алдында

 

53Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды. 54Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды. 55Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.
56Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.
57Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:
58– Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслап, үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.
59Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.
60Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан:
– Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
61Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және:
– Алғыслының Улы – Масих Сенбисең? – деп сорады.
62Ийса:
– Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретли Қудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер, – деди.
63Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып:
– Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар? 64Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди.
Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
65Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған:
– Қәнекей, ўәлийлик ет, – дести.
Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.

 

Петрдиң Ийсадан таныўы

 

66Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. 67Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да:
– Сен де сол Насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
68Бирақ Петр танып:
– Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти[49].
69Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және:
– Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады.
70Бирақ Петр және танды.
Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге:
– Расында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо, – деди.
71Ол:
– Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, – деп ант ишип, өзин өзи ғарғай баслады.
72Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди.

 

15

 

Пилаттың Ийсаны тергеўи

 

1Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды. 2Пилат Оннан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
3Бас руўханийлер Оны көп нәрселерде айыплады. 4Пилат және Ийсадан сорап:
– Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Қара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди.
5Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды.

 

Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи

 

6Ҳәр Қутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди. 7Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында өзиниң шериклери менен адам өлтирген Бараба деген бир адам бар еди. 8Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады. 9Пилат олардан:
– Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.
10Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
11Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди. 12Пилат оларға және:
– Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди.
13Олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.
14Пилат олардан:
– Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады.
Бирақ олар қаттырақ бақырысып:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
15Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.

 

Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы

 

16Әскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады. 17Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, басына салды. 18Соңынан:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады.
19Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти. 20Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.

 

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

 

21Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден өтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 22Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди. 23Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты. 24Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, өз ара Оның кийимлерин бөлисти. 25Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди. 26Оның бас бетинде айыбын көрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. 27-28Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. [50]
29Өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип:
– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! 30Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – деди.
31Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине:
– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды! 32Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер көрип, Оған исенемиз, – дести.
Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.

 

Ийсаның жан тапсырыўы

 

33Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 34Саат үште Ийса қатты даўыс пенен:
– Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?»[51] – дегенди аңлатады.
35Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:
– Қараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
36Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип:
– Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, көрейик! – деди.
37Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.
38Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. 39Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын көрип:
– Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Қудайдың Улы екен, – деди.
40Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды. 41Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа көп ҳаяллар да бар еди.

 

Ийсаның қәбирге қойылыўы

 

42Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди. 43Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Қудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады. 44Пилат Ийсаның әлле қашан өлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да:
– Өлгенине көп ўақыт болды ма? – деп сорады.
45Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди. 46Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды. 47Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын көрди.

 

16

 

Ийсаның қайта тирилиўи

 

1Дем алыс күни[52] өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды. 2Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди. 3Өз ара:
– Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сөйлести.
4Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди. 5Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти.
6Жигит оларға:
– Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери. 7Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», – деп айтыңлар, – деди.
8Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.

 

Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи

 

9Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди. 10Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди. 11Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны көргенин еситсе де, исенбеди.

 

Ийсаның еки шәкиртине көриниўи

 

12Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде көринди. 13Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди.

 

Ийсаның шәкиртлерине тапсырмасы

 

14Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине көринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Өйткени олар Оның тирилгенин көргенлерге исенбеген еди. 15Ийса оларға былай деди:
– Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар. 16Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи. 17Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сөйлейди. 18Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.

 

Ийсаның аспанға алыныўы

 

19Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Қудайдың оң тәрепине отырды. 20Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Өз сөзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.

 

 

 

Лука

Лука жазған Хош Хабар

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул Хош Хабарды Лука жазған. Ол Хош Хабардың даўамы сыпатында «Елшилердиң ислери» китабын да жазған. Лука бул китапты Ийса Масихтың пүткил адамзат ушын ўәде етилген Қутқарыўшы екенин ҳәмме миллетлерге билдириў ушын жазған еди. Солай етип, ол Қудайдың қутқарылыў жобасының ишине тек яҳудийлер емес, ал басқа миллетлер де киретуғынын көрсетти.
Лука өз китабында Ийсаның хызмети ҳәм тәлийматы ҳаққында сөз етеди. Масихтың туўылыўынан баслап, аспанға көтерилиўине дейин болған ўақыяларды сүўретлейди ҳәм тарийхый детальларды келтиреди.
Лука жазған Хош Хабарда басқа 3 Хош Хабарға қарағанда «Адам Улы» деген ат көбирек қайталанып, Ийсаның минсиз адамның тәбиятына ийе екени көрсетилген. Дуўа етиўге айрықша дыққат аўдарылған, Хош Хабарды еситкен адамлардың қуўанышы ҳәм Мухаддес Руўхтың тутқан орны атап өтилген. Және де, сол заманда жәмийеттиң төменги қатламларына киретуғын ҳаялларға, жарлы адамларға ҳәм гүнакарларға деген Ийсаның ғамхорлығы ҳаққында айтылған.

 

1

 

Ҳүрметли Теофил!

 

1Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. 2Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. 3-4Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.

 

Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы ҳаққында болжаў

 

5Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди. 6Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди. 7Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.
8Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зекерия Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда, 9руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти. 10Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға көринди. 12Оны көрген Зекерия қорқып, албырап қалды. 13Бирақ периште оған былай деди:
– Қорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң. 14Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады. 15Себеби ол Қудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа[1] толады. 16Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Жаратқан Ийеси – Қудайға қайтарады. 17Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың[2] руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18Сонда Зекерия периштеге:
– Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.
19Периште оған жуўап берип:
– Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен. 20Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды. 22Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян[3] көргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сөйлести.
23Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.
24Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди. 25«Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.

 

Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар

 

26Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына, 27Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди. 28Периште үйге кирип, оған:
– Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
29Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды. 30Периште оған былай деди:
– Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң! 31Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң. 32Ол уллы болып, Қүдиретли Қудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Қудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди. 33Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34Мәриям периштеден:
– Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35Периште оған жуўап берип:
– Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қүдиретли Қудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Қудайдың Улы деп аталады. 36Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды. 37Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38Сонда Мәриям:
– Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди.
Соннан соң, периште оның жанынан кетти.

 

Мәриямның Елизабетаға барыўы

 

39Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти. 40Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди. 41Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып, 42даўыслап былай деди:
– Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған! 43Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен? 44Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. 45Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады. 46Сонда Мәриям былай деди:

 

«Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар.
47Қутқарыўшым Қудайға руўхым шадланар.
48Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды.
Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес.
50Ол әўладтан-әўладқа, Өзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51Өз қолы менен қүдиретин көрсетип, кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди жоқары көтерди.
53Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54-55Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, хызметшиси Израилға жәрдем етти».

 

56Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.

 

Шомылдырыўшы Яқыяның дүньяға келиўи

 

57Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды. 58Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти.
59Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге[4] алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды. 60Бирақ баланың анасы:
– Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61Олар Елизабетаға:
– Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп, 62әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты. 64Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады. 65Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады. 66Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди.

 

Зекерияның пайғамбаршылық жыры

 

67Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:

 

68«Израилдың Жаратқан Ийеси – Қудай алғыслансын!
Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны қутқарды.
69-70Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай,
Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди.
71-73Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек көриўшилердиң қолынан қутқарды.
Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин көрсетип,
Өз мухаддес келисимин, бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74-75Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып,
қорқпастан, өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып,
Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76Ал сен, балам, Қүдиретли Қудайдың пайғамбары деп аталасаң.
Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78-79Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын
ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын,
Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».

 

80Ал нәресте өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады.

 

2

 

Ийсаның туўылыўы

 

1Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды. 2Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. 3Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды.
4Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди. 5Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды. 6Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, 7туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.

 

Шопанлар ҳәм периштелер

 

8Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди. 9Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти. 10Периште оларға:
– Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман. 11Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Қутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих[5]. 12Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди.
13Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Қудайды алғыслады:

 

14«Аспанда Қудай алғыслансын,
Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!»

 

15Периштелер аспанға көтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине:
– Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны көрейик, – дести.
16Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты. 17Оны көрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди. 18Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сөзлерине таң қалысты. 19Ал Мәриям бул сөзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди. 20Шопанлар өзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-көргенлери ушын Қудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
21Арадан сегиз күн өтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди.

 

Шимон ҳәм Аннаның Ийса менен ушырасыўы

 

22Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери[6] тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди. 23Өйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын»[7], – деп жазылған. 24Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын»[8] қурбан етпекши болды.
25Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди. 26Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты көрмегенше өлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди. 27Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде, 28Шимон Оны қолына алып, Қудайды алғыслап былай деди:

 

29«О, Қүдиретли Ийем, Өзиң айтқаныңдай, енди қулыңды
бул дүньядан тынышлық пенен жибересең.
30-31Себеби көзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап
қойған қутқарыўыңды көрди:
32Ол басқа миллетлердиң көзин ашатуғын нур болып,
Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди».

 

33Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сөзлерге таң қалысты. 34Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға:
– Мине, бул Нәресте Израилда көп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли көп талас-тартыслар келип шығады. 35Сонда көп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди.
36Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады. 37Соңынан сексен төрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Қудайға сыйынатуғын еди. 38Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди. 39Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы өз қаласы Насыраға қайтып келди. 40Нәресте өсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Қудайдың мийрими Оның үстинде еди.

 

Ийсаның балалығы

 

41Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында[9] Ерусалимге баратуғын еди. 42Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди. 43Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас өспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди. 44Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып өткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи. 45Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды. 46Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сөзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди. 47Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты. 48Ата-анасы Ийсаны көрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған:
– Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Әкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди.
49Ийса оларға:
– Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Әкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди.
50Бирақ олар Ийсаның айтқан сөзлерин түсинбеди.
51Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады. 52Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да өсип, Қудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бөленип барды.

 

3

 

Шомылдырыўшы Яқыяның жәриялаўы

 

1Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. 2Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти. 3Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 4Бул Ийшая пайғамбардың китабында[10] жазылғанға туўры келеди:

 

«Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жоллар дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
6Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди»[11].

 

7Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Егер сизлер тәўбе еткен[12] болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. 9Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10Сонда халық оннан:
– Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11Яқыя оларға:
– Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан:
– Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13Яқыя оларға:
– Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14Әскерлер де оннан:
– Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
Яқыя оларға:
– Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен:
– Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады.
16Яқыя ҳәммесине жуўап берип:
– Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
18Яқыя халыққа басқа да көп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди. 19Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди. 20Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады.

 

Ийсаның шомылдырылыўы

 

21Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып, 22Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан:
– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди.

 

Ийсаның шежиреси

 

23Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы, 24Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы, 25Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай 26Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы, 27Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы, 28Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы, 29Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы, 30Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы, 31Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы, 32Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы, 33Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы, 34Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы, 35Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы, 36Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы, 37Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы, 38Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адам-ата улы, ал Адам-ата Қудай улы.

 

4

 

Ийсаның сыналыўы

 

1Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды. 2Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар өткеннен соң, ақыры аш болды.
3Сонда шайтан Ийсаға:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды»[13], – деп айтылған, – деди.
5Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, 6Оған:
– Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. 7Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Қудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет»[14], – деп айтылған-ғо, – деди.
9Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, 10себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Өз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. 11Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында көтерип алып кетеди»[15], – деди.
12Ийса шайтанға:
– «Қудай-Ийеңди сынама!»[16], – деп айтылған-ғо, – деди.
13Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.

 

Ийсаның Галиладағы ўазы

 

14Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дөгерекке тарқады. 15Ийса олардың мәжилисханаларында[17] тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.

 

Насыралылардың Ийсаны қабыл алмаўы

 

16Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша дем алыс күни[18] мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, 17Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты:

 

18-19«Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде.
Өйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын тайынлады[19].
Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын,
соқырлардың көретуғынын хабарлаўға,
азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм
Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди»[20].

 

20Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. 21Ийса оларға сөйлей баслап:
– Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сөзлерине ҳайран қалысып:
– Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести.
23Ийса оларға былай деди:
– Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. 24Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды. 25Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди. 26Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди. 27Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди.
28Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. 29Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. 30Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти.

 

Ийсаның жинди қуўып шығарыўы

 

31Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди. 32Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сөзинде бийлик бар еди.
33Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34– О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деди.
35Ийса оған кейип:
– Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
Сонда жин адамды ҳәммениң көз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине:
– Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести.
37Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.

 

Ийсаның көп аўырыўларға шыпа бериўи

 

38Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны көриўди өтиниш етти. 39Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40Қуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди. 41Көп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Қудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сөйлеўге тыйым салды. Өйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди.

 

Ийсаның мәжилисханаларда ўаз айтыўы

 

42Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды. 43Бирақ Ийса оларға:
– Қудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.

 

5

 

Ийсаның дәслепки шәкиртлери

 

1Бир күни Ийса Генесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды. 2Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди. 3Қайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.
4Сөзин тамамлағаннан соң, Симонға:
– Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.
5Симон Оған жуўап берип:
– Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, – деди.
6Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады. 7Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.
8Буны көрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып:
– Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, – деди.
9Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди. 10Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға:
– Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын[21] боласаң, – деди.
11Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.

 

Ийсаның мақаў кесел болған адамға шыпа бериўи

 

12Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:
– Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды.
13Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.
14Ийса оған:
– Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды.
15Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди. 16Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.

 

Ийсаның ләң адамға шыпа бериўи

 

17Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер[22] менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди. 18Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты. 19Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди. 20Ийса олардың исенимин көрип:
– Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.
21Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.
22Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға:
– Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 23Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме? 24Бирақ, Адам Улының[23] жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
25Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты. 26Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып:
– Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, – дести.

 

Ийсаның Лебийди шақырыўы

 

27Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны көрди де, оған:
– Изиме ер! – деди.
28Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
29Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды. 30Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип:
– Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди.
31Ийса оларға жуўап берип:
– Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. 32Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.

 

Ораза ҳаққында сораў

 

33Олар Ийсаға:
– Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.
34Ийса оларға:
– Күйеў өзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма? 35Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.
36Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди:
– Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди. 37Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады. 38Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек. 39Ҳеш ким ески шарапты ишип көрип, жаңасын қәлемейди: өйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.

 

6

 

Дем алыс күни ҳаққында тартыс

 

1Бир дем алыс күни[24] Ийса бийдай атызының арасы менен өтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады. 2Гейпара парисейлер оларға:
– Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди.
3Ийса оларға жуўап берип:
– Өзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4Ол Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Қудайға арналған нанларды өзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
5Және оларға:
– Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
6Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди. 7Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 8Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға:
– Орныңнан турып, ортаға шық, – деди.
Ол орнынан турып, ортаға шықты.
9Сонда Ийса оларға:
– Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди.
10Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға:
– Қолыңды соз, – деди.
Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
11Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин өз ара кеңесе баслады.

 

Ийсаның он еки елшисин таңлаўы

 

12Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди. 13Таң атқанда, Өз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады. 14Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей, 15Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон, 16Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.

 

Ийсаның тәлийматы ҳәм шыпа бериўи

 

17Ийса олар менен бирге таўдан төмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның көплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген көп халық бар еди. 18Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм өз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты. 19Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди.

 

Бахытлылар ҳәм бахытсызлар

 

20Ийса шәкиртлерине қарап былай деди:

 

– Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар!
Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердики.
21Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар!
Себеби тоқ боласызлар.
Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар!
Себеби күлесизлер.

 

22Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек көрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар! 23Сол күни қуўанып, шадлыққа бөлениңлер! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.
24Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер!

 

Себеби сизлер өз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар.
25Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер!
Себеби сизлер аш қаласызлар.
Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер!
Себеби сизлер өкирип жылайсызлар.
26Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер!
Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген.

 

Душпанларыңызды сүйиңлер!

 

27– Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным:

 

Душпанларыңызды сүйиңлер,
өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер.
28Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер,
қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
29Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут.
Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет!
30Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер,
сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
31Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер,
сизлер де оларға соны ислеңлер!

 

32Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да өзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо. 33Егер өзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо. 34Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо. 35Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Қудайдың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли. 36Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.

 

Басқаларды ҳүким етпеңлер!

 

37– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз. 38Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып төгилген мөлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди.
39Ийса оларға және бир тымсал айтты:
– Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме? 40Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, өз устазындай болады. 41Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? 42Өз көзиңдеги қаданы көрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, көзиңдеги шөпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп өз көзиңдеги қаданы шығар, сонда анық көрип, туўысқаныңның көзиндеги шөпти шығара аласаң.

 

Терек мийўесинен билинер

 

43– Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ. 44Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди. 45Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
46Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар? 47Маған келип, сөзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын: 48ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды. 49Бирақ сөзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.

 

7

 

Римли жүзбасының исеними

 

1Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти. 2Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди. 3Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди. 4Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип:
– Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип. 5Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди.
6Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды:
– Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. 7Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. 8Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
9Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып:
– Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.
10Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди.

 

Жесир ҳаялдың баласының тирилиўи

 

11Арадан көп өтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм көп халық бирге жүрди. 12Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының өлигин көтерип шығарып атыр еди. Қаланың көп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди. 13Ийемиз ҳаялды көргенде жаны ашып:
– Жылама! – деди.
14Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт көтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол:
– Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
15Өли тикейип отырды да, сөйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды.
16Ҳәммени қорқыныш бийлеп:
– Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Қудай Өз халқына жәрдемге келди, – деп Қудайға алғыс айтты.
17Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дөгеректеги жерлерге жайылды.

 

Ийса ҳәм Шомылдырыўшы Яқыя

 

18Шәкиртлери Яқыяға болып өткен ўақыялар ҳаққында хабарлады. 19Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.
20Олар Ийсаға келип:
– Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Қутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди.
21Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған көплеген адамларға шыпа берип, көп соқырлардың көзин ашқан еди. 22Ийса оларға жуўап берип:
– Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 23Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.
24Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады:
– Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 25Нени көриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо. 26Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 27Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды»[25]. 28Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Қудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
29Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Қудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди. 30Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Қудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Өйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.
31Ийса және:
– Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди? 32Олар базарда бир-бирине қышқырысып:

 

«Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар!
Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» –

 

деп отырған балаларға уқсайды.
33Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер.
34Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер.
35Ал Қудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.

 

Ийса ҳәм гүнакар ҳаял

 

36Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды. 37Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди. 38Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, көз жасларын Ийсаның аяқларына төге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады. 39Ийсаны мирәт еткен парисей буны көрип, ишинен:
– Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди.
40Ийса оған:
– Симон, саған айтатуғын бир аўыз сөзим бар, – деди.
– Айта бер, Устаз! – деди Симон.
41Ийса оған:
– Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар[26] қарызы болыпты. 42Бирақ олардың төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Қәне, айтшы, олардың қайсысы оны көбирек сүйеди? – деди.
43Симон:
– Мениң ойымша: қарызы көбирек кеширилгени, – деп жуўап берди.
– Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған.
44Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға:
– Бул ҳаялды көрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол көз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти. 45Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр. 46Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты. 47Сонлықтан саған айтатуғыным: оның көп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди.
48Соңынан ҳаялға:
– Гүналарың кеширилди, – деди.
49Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар өз ара:
– Гүналарды да кеширетуғын бул ким өзи? – дести.
50Ал Ийса ҳаялға:
– Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.

 

8

 

Ийсаның изине ерген ҳаяллар

 

1Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Қудай Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти, 2және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям, 3Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да көплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине өз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди.

 

Туқым себиўши туўралы тымсал

 

4Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады:
5– Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. 6Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап:
– Қулағы бар жақсылап еситип алсын! – деди.

 

Тымсаллардың мақсети

 

9Шәкиртлери Ийсадан:
– Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады.
10Ийса оларға былай деди:
– Қудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да:

 

«Олар қараса да, көрмейди,
Еситсе де, түсинбейди»[27].

 

Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

 

11– Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Қудайдың сөзи. 12Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. 13Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. 14Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. 15Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди.
16Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
17Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
18Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның өзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады.

 

Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары

 

19Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық көп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады. 20Адамлар Ийсаға:
– Анаң менен туўысқанларың Сени көрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады.
21Ийса оларға жуўап берип:
– Кимлер Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди.

 

Ийсаның даўылды тоқтатыўы

 

22Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға:
– Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди.
Солай етип, олар жөнеп кетти. 23Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Көлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды. 24Шәкиртлери Ийсаның қасына барып:
– Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты.
Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды. 25Ийса шәкиртлерине:
– Исенимиңиз қәне? – деди.
Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине:
– Бул ким Өзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести.

 

Жинге шалынған адамның шыпа табыўы

 

26Олар Галиланың қарсысында жайласқан Гадара үлкесине қайық пенен жүзип барды. 27Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам көп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди. 28Ол Ийсаны көргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен:
– Қүдиретли Қудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Өтинемен, мени қыйнама! – деди.
29Өйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шөлистанға айдап алып кетилетуғын еди.
30Ийса оннан:
– Атың ким? – деп сорады.
– Үлкен топар[28], – деп жуўап берди ол.
Себеби оның ишине көп жин кирген еди. 31Жинлер Ийсадан өзлерин туңғыйыққа жибермеўин өтинди.
32Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин өтинди. Ийса оларға рухсат етти. 33Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, батып кетти.
34Болған ўақыяны көрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады. 35Адамлар болған ўақыяны көриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын көргенде қорқып қалысты. 36Ўақыяны өз көзлери менен көргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди. 37Сонда Гадара әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти. 38Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға:
– Сениң менен бирге болайын, – деп жалынды.
Бирақ Ийса оған:
39– Үйиңе қайтып, Қудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди.
Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады.

 

Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял

 

40Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Өйткени ҳәмме Оны күтип турған еди. 41Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин өтинди. 42Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы өлим төсегинде жатыр еди.
Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. 43Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди[29]. 44Ҳаял Ийсаның арт бетинен жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады.
45Сонда Ийса:
– Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады.
Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр:
– Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо, – деди.
46Бирақ Ийса оған:
– Маған биреў қолын тийгизди, өйткени Мен Өзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди.
47Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Өзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди.
48Ийса оған:
– Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
49Ийса усы сөзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирға:
– Қызыңыз өлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди.
50Бирақ Ийса буны еситип, оған:
– Қорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди.
51Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Өзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди. 52Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса:
– Жыламаңлар, ол өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
53Олар қыздың өлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди. 54Ийса қыздың қолынан услады да, даўыслап:
– Қызалақ, орныңнан тур! – деди.
55Қыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды. 56Қыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўын буйырды.

 

9

 

Ийсаның он еки елшисине тапсырма бериўи

 

1Ийса қасына он еки елшисин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди. 2Қудай Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип, 3Ийса былай деди:
– Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар. 4Қайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 5Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
6Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди.

 

Ийса ҳәм Ҳирод

 

7Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя өлимнен қайта тирилипти» десе, 8басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди. 9Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны көриўдиң жолын излестирди.

 

Ийсаның бес мыңнан аслам адамды тойғызыўы

 

10Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Өзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға кетти. 11Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Қудай Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди.
12Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип:
– Халықты жибер. Әтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Өйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди.
13Бирақ Ийса оларға:
– Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди.
– Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери.
14Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди.
Ийса шәкиртлерине:
– Оларды елиў-елиўден топқа бөлип отырғызыңлар, – деди.
15Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды. 16Ийса бес нан менен еки балықты алды да, аспанға қарап, олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. 17Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.

 

Петрдиң Ийсаның Масих екенлигин мойынлаўы

 

18Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан:
– Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады.
19Шәкиртлери жуўап берип былай деди:
– Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи.
20Ийса олардан:
– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады.
Петр Оған:
– Сен – Қудайдың жиберген Масихысаң[30], – деп жуўап берди.

 

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында алдын ала айтыўы

 

21Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де:
22– Адам Улы көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди.
23Сонда Ийса ҳәммеге былай деди:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 24Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады. 25Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып, өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда? 26Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Өзиниң, Әкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады. 27Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығын көрмегенше, өлмейди.

 

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

 

28Бул сөзлерди айтқаннан соң сегиз күндей өткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты. 29Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси өзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти. 30Сонда еки ер адам Оның менен сөйлесип турған еди. Олар: Муўса менен Илияс еди. 31Олар уллы салтанат пенен көринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан өтип, Қудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сөйлести. 32Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды көрди. 33Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға:
– Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
Ол не айтқанын өзи билмеди.
34Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды. 35Сонда булттан:
– Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
36Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Өзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, көргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады.

 

Ийсаның жин урған баланы азат қылыўы

 

37Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны көп халық күтип алды. 38Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып:
– Устаз, Сеннен өтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гөр! Ол мениң жалғыз балам еди. 39Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан көбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди. 40Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди.
41Ийса жуўап берип:
– Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди.
42Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды. 43Ҳәмме Қудайдың уллылығына таң қалысты.
Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалысып турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине:
44– Мына сөзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди.
45Бирақ олар бул сөздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сөз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.

 

Ең уллы ким?

 

46Шәкиртлер өз ара:
– Қайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады.
47Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып, 48оларға былай деди:
– Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Өйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
49Сонда Юхан:
– Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
50Ийса Юханға:
– Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди.

 

Самариялылардың Ийсаны тән алмаўы

 

51Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти. 52Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық көриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди. 53Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди. 54Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны көрип:
– Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын, аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди.
55Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди. 56Соңынан олар басқа аўылға кетти.

 

Ийсаға шәкирт болыўдың шәртлери

 

57Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға:
– Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
58Ийса оған:
– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
59Ал басқа биреўине:
– Мениң изиме ер, – деди.
Бирақ ол:
– Ийем! Дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
60Ийса оған:
– Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр. Ал сен барып, Қудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди.
61Және биреў Ийсаға:
– Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди.
62Бирақ Ийса оған:
– Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Қудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.

 

10

 

Ийсаның жетпис еки шәкиртин жибериўи

 

1Буннан кейин, Ийемиз Ийса басқа жетпис еки шәкиртин таңлап алып, Өзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Өзинен бурын жиберип атырып 2былай деди:
– Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар. 3Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман. 4Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер. 5Қайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер. 6Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, өзлериңизге қайтады. 7Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Өйткени мийнет еткен адам өз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге көшип жүрмеңлер. 8Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер. 9Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Қудай Патшалығы жақынлады», – деңлер. 10Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, көшеге шығып: 11«Қалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Қудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар. 12Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.

 

Тәўбе етпеген қалалар ҳәсирет шегеди!

 

13– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып[31], тәўбе етер еди. 14Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 15Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң.
16Ийса шәкиртлерине және былай деди:
– Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.

 

Жетпис еки шәкирттиң қайтып келиўи

 

17Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип:
– Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди.
18Ийса оларға:
– Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин көрдим. 19Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды. 20Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди.
21Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди:
– О, Әке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
22Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Улдың ким екенин Әкеден басқа ҳеш ким билмейди. Әкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
23Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди:
– Сизлердиң көрип атырғаныңызды көрип турған көзлер бахытлы! 24Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.

 

Мийримли самариялы ҳаққында тымсал

 

25Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан:
– Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
26Ийса оған:
– Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.
27Ол жуўап берип:
– «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй»[32]. Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй»[33], – делинген, – деди.
28Ийса оған:
– Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
29Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан:
– Мениң жақыным ким? – деп сорады.
30Ийса оған былай деп жуўап қайтарды:
– Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти. 31Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 32Бир лебийли де сол жерге келип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 33Бирақ сол жерден өтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны көргенде жаны ашыпты ҳәм 34жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық көрсетипти. 35Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти. 36Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
37Нызам муғаллими:
– Оған мийримлилик көрсеткени, – деди.
Ийса оған:
– Бар, сен де усылай исле, – деди.

 

Мәриям ҳәм Марта

 

38Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти. 39Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сөзлерин тыңлады. 40Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип:
– Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир өзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
41Бирақ Ийса оған жуўап берип:
– Марта, Марта, сен көп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең. 42Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.

 

11

 

Дуўа етиў ҳаққында

 

1Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип турған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған:
– Ийем! Яқыя өз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди.
2Ийса оларға былай деди:
– Дуўа еткениңизде былай деңлер:

 

Әке![34]
Сениң атың мухаддес бола берсин.
Сениң Патшалығың келсин.
3Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гөр.
4Гүналарымызды кешире гөр.
Өйткени бизлер де өзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз.
Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма.

 

5Ийса оларға және былай деди:
– Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур. 6Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти. 7Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге төсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти. 8Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди. 9Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 10Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 11Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди? 12Мәйек сораса, оған шаян береди? 13Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз.

 

Ийса ҳәм Белзебүл

 

14Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сөйлей баслағанда, халық ҳайран қалды. 15Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.
16Ал басқалары Ийсаны сынап көрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти. 17Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди:
– Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир үй қулайды. 18Егер шайтан өз ара қарсы болып бөлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер. 19Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды. 20Бирақ, егер Мен жинлерди Қудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудай Патшалығының жетип келгени. 21Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам өз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады. 22Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бөлистиреди.
23Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
24Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди.
25Қайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди. 26Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады.
27Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған:
– Сени көтерген қурсақ ҳәм Сени емизген көкиреклер қандай бахытлы! – деди.
28Бирақ Ийса оған:
– Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди.

 

Кәраматлы белги ҳаққында

 

29Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады:
– Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди. 30Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. 31Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 32Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.

 

Жақтылық ҳәм көз ҳаққында

 

33– Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды. 34Көзиң – денеңниң шырағы. Егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер көзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады. 35Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын! 36Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени өз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады.

 

Ийса диндарлар ҳаққында

 

37Ийса усы сөзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды. 38Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын көрип, парисей таң қалды. 39Сонда Ийемиз оған:
– Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ өз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы. 40Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе? 41Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.
42Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шөп ҳәм ҳәр түрли палыз өнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо. 43Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда төрде отырыўды, базарда өзлериңизге сәлем берилиўин жақсы көресизлер. 44Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып өтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.
45Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға:
– Устаз! Сен бул сөзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.
46Бирақ Ийса:
– Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер көтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, өзлериңиз оларды көтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар. 47Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз өлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. 48Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды өлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар. 49Сонлықтан да, Қудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин өлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады». 50-51Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында өлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери төгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи! 52Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Өйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан өзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.
53Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, көп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи. 54Олар Ийсаны сөзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды.

 

12

 

Кимнен қорқыў керек?

 

1Соның арасында көп мыңлаған адамлар жыйналып, бир-бирине тығылысып турды. Ийса алды менен Өз шәкиртлерине сөз баслап, былай деди:
– Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар! 2Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ. 3Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың төбесинен жәрияланады.
4Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! 5Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар. 6Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Қудай умытпайды. 7Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
8Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Қудайдың периштелериниң алдында тән алады. 9Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның өзи де Қудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
10Адам Улына қарсы бир сөз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди.
11Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар. 12Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди.

 

Ақылсыз бай ҳаққында тымсал

 

13Халық арасынан биреў Ийсаға:
– Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бөлиссин, – деди.
14Ийса оған:
– Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бөлиўши етип қойды? – деди. 15Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Өйткени адамның өмири оның мал-мүлкиниң көплигине байланыслы емес, – деп, 16оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти. 17Ол өз-өзине: «Не ислесем екен? Өнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти. 18Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман. 19Соңынан өз жаныма былай деймен: «Жаным, көп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти. 20Бирақ Қудай оған:
– Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
21Өзи ушын байлық жыйнап, Қудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады.

 

Тәшиўишленбеңлер!

 

22Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер! 23Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо. 24Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар! 25Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады? 26Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар? 27Лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди. 28Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар! 29Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер. 30Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Әкеңиз биледи. 31Оның орнына, Қудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
32Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты. 33Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Өзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди. 34Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.

 

Ийсаның қайта келиўине таяр болыў

 

35– Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын! 36Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар. 37Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын көрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, өзи оларға хызмет етеди. 38Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын көрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы! 39Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди. 40Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
41Сонда Петр:
– Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди.
42Ийемиз былай деди:
– Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким? 43Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши қандай бахытлы! 44Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 45Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа, 46онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады.
47Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши көп таяқ жейди. 48Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге көп берилген болса, оннан көп талап етиледи. Кимге көп исенип тапсырылса, оннан көбирек соралады.

 

Масих ушын болатуғын айырылысыўлар

 

49– Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим! 50Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти[35] басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман! 51Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен. 52Өйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар өз ара бөлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады. 53Әкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бөлинеди.
54Соңынан Ийса халыққа да былай деди:
– Сизлер батыстан бир булттың көтерилгенин көргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 55Қубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да. 56Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар?
57Нениң дурыс екенин неге өзлериңиз шеше алмайсызлар? 58Сен өз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды. 59Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң.

 

13

 

Тәўбе етиў ҳаққында

 

1Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды өлтирткени ҳәм олардың қанын өзлери сойған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди. 2Ийса оларға:
– Сизлер: «Усындай апатқа ушырағаны ушын, бул галилалылар басқа барлық галилалылардан гүналырақ», – деп ойлайсызлар ма? 3Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар. 4Үстилерине Силоҳа минарасы қулап өлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма? 5Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди:
– Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты. 7Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти. 8Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый төгейин. 9Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз, – депти.

 

Ийсаның бүкир ҳаялға шыпа бериўи

 

10Бир дем алыс күни[36] Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди. 11Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди. 12Ийса оны көрип, жанына шақырып алды да, оған:
– Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп, 13оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Қудайға алғыслар айта баслады.
14Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның дем алыс күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа:
– Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға дем алыс күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15Ийемиз Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Ҳәй, еки жүзлилер! Дем алыс күни ҳәр бириңиз өгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба? 16Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын дем алыс күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17Ийса усы сөзлерди айтқанда, Оған қарсылық көрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.

 

Қышқыл туқым ҳәм ашытқы туўралы тымсал

 

18Соңынан Ийса:
– Қудай Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин? 19Ол – бир адамның алып, өз бағына еккен қышқыл туқымына[37] уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20Ийса және былай деди:
– Қудай Патшалығын неге уқсатайын? 21Ол – бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды.

 

Тар қапыдан кириңлер!

 

22Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди. 23Бир адам Ийсадан:
– Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24Сонда Ийса халыққа былай деди:
– Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: көплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды. 25Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди. 26Сонда сизлер: «Бизлер Сениң көз алдыңда ишип жедик. Сен бизлердиң көшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар. 27Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28Сизлер Ибрайымды, Ысақты, Яқыпты ҳәм барлық пайғамбарларды Қудай Патшалығында, ал өзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды көргениңизде жылап, пушайман жейсизлер[38]. 29Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Қудай Патшалығында дастурхан әтирапына отырады. 30Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.

 

Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы

 

31Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға:
– Бул жерден кет, Ҳирод Сени өлтирмекши, – деди.
32Ийса оларға былай деди:
– Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман. 33Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Өз жолым менен жүриўим керек. Өйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде өлиўге болмайды.
34Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 35Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. Сизлерге айтатуғыным: «Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!»[39] – деп айтқанларыңызға дейин Мени көрмейсизлер.

 

14

 

Дем алыс күнинде шыпа бериў

 

1Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды. 2Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди. 3Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден:
– Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады.
4Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди. 5Соңынан оларға былай деди:
– Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса өгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма?
6Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.

 

Өзиңди жоқары тутпа!

 

7Қонақлардың өзлерине төрдеги орынларды таңлап атырғанын көрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
8– Сени биреў неке тойына шақырғанда, төрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин. 9Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң. 10Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, төрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, өзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң. 11Себеби ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
12Соңынан Ийса Өзин шақырған үй ийесине:
– Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Өйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады. 13Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр. 14Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Қудай саған қайтарады, – деди.

 

Тойға мирәт етилгенлер ҳаққында тымсал

 

15Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сөзлерди еситип, Оған:
– Қудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди.
16Ийса оған былай деди:
– Бир адам үлкен зыяпат берип, көп қонақ шақырыпты. 17Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге өз хызметшисин жиберипти. 18Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып көриўим керек, өтинемен, мени кешир», – депти. 19Ал екиншиси: «Мен бес жуп өгиз сатып алдым, соларды сынап көриўге баратырман. Өтинемен, мени кешир», – депти. 20Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти. 21Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши көшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты. 22Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти. 23Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге көндир. Сонда үйим адамларға толы болады. 24Өйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти.

 

Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти

 

25Ийса менен бирге көп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди:
26– Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, өз өмирин де жек көрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 27Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды. 28Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма? 29Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны көргенлер оның үстинен күлип: 30«Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди.
31Қайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, өзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма? 32Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды. 33Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз өзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды.
34Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? 35Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын!

 

15

 

Жойтылған қой ҳаққында тымсал

 

1Ийсаны тыңлаў ушын көп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди. 2Парисейлер менен диний муғаллимлер буны көрип:
– Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди.
3Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
4– Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шөл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди? 5Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине көтерип алады да, 6үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таўып алдым», – дейди. 7Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гөре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда көбирек қуўанады.

 

Жойтылған гүмис теңге ҳаққында тымсал

 

8– Айтайық, бир ҳаялдың он гүмис теңгеси[40] болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди? 9Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған теңгемди таўып алдым», – дейди. 10Сизлерге айтатуғыным: Қудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады.

 

Жойтылған ул ҳаққында тымсал

 

11Ийса және былай деди:
– Бир адамның еки улы бар екен. 12Олардың генжетайы әкесине:
– Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти.
Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бөлип берипти. 13Бир неше күн өткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти. 14Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты. 15Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти. 16Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти. 17Оның ақылы енип:
– Әкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан өлейин деп атырман. 18Турып әкеме барайын, оған: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. 19Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти.
20Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты. 21Улы оған:
– Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти.
22Бирақ әкеси хызметшилерине:
– Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер. 23Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил көтерейик. 24Себеби мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.
Солай етип, олар тойлай баслапты.
25Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Қайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти. 26Хызметшилериниң биреўин шақырып алып:
– Бул не? – деп сорапты.
27Хызметши оған:
– Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
28Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти. 29Бирақ ол әкесине былай депти:
– Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң. 30Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң.
31Әкеси оған:
– Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники-ғо. 32Бирақ бүгин қуўанып, кеўил көтериўимиз керек. Өйткени сениң бул иниң өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.

 

16

 

Наҳақ үй басқарыўшы ҳаққында тымсал

 

1Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди:
– Бир бай адамның үй басқарыўшысы бар екен. Байдың қулағына: «Үйиңди басқарыўшы мал-мүлкиңди сарп етип жүрипти», – деген шағым жетипти. 2Бай оны шақырып алып:
– Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Өз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти.
3Сонда үй басқарыўшы өз-өзине:
– Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан. 4Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де, 5хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен:
– Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты.
6Ол:
– Жүз батпан май, – деп жуўап берипти.
– Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы. 7Соңынан басқасынан:
– Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты.
– Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол.
Оған да:
– Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти.
8Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары өзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гөре ақыллырақ ҳәрекет қылады. 9Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан[41] пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын.
10Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды. 11Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына[42] садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады? 12Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге өзлериңиздикин береди?
13Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Өйткени ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
14Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды. 15Ийса оларға былай деди:
– Сизлер өзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып көрсетесизлер, бирақ Қудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Қудай алдында жеркенишли.
16Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Қудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр. 17Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гөре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ.
18Өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады.

 

Тиленши Лазар ҳәм бай ҳаққында тымсал

 

19– Қымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты. 20Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен. 21Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен. 22Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти. 23Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын көтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды көрипти. 24Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гөр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти. 25Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен өмириңде тек жақсылық көргениңди, ал Лазардың жаманлық көргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң. 26Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге өтпекши болғанлар өте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким өте алмайды», – депти. 27Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен өтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер. 28Өйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти. 29Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти. 30Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер өлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти. 31Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, өлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.

 

17

 

Кеширим, исеним ҳәм хызмет ҳаққында

 

1Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди:
– Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! 2Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди. 3Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир. 4Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5Сонда елшилер Ийемиз Ийсаға:
– Исенимимизди арттыр, – деди.
6Ийемиз былай деди:
– Егер исенимиңиз қышқыл туқымдай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
7Араңызда қайсы бириңиздиң жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиси даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейди? 8Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан өзиң ишип жейсең», – деп айтпай ма? 9Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен? 10Сол сыяқлы сизлер де өзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.

 

Мақаў кесел болған он адамның шыпа табыўы

 

11Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди. 12Ол бир аўылға кирип киятырғанда мақаў кесел болған он адам гезлести. Олар узақта турып, 13қатты даўыслап:
– Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14Ийса оларды көрип:
– Барып, өзлериңизди руўханийлерге көрсетиңлер, – деди.
Олар кетип баратырғанда мақаў кеселден жазылып кетти. 15Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де, 16Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди. 17Сонда Ийса:
– Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта? 18Қудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19Соң оған:
– Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.

 

Қудай Патшалығының келиўи

 

20Парисейлер Қудай Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Қудай Патшалығы көзге көринип келмейди. 21«Мине, бул жерде» ямаса «Әне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Қудай Патшалығы сизлердиң ишиңизде, – деди.
22Соң Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Адам Улының күнлериниң бирин болса да көриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, көре алмайсызлар. 23Сизлерге: «Әне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер. 24Өйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Өз күнинде солай пайда болады. 25Бирақ дәслеп Ол көп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. 27Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан суў тасқыны басып, ҳәммени набыт қылды. 28Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды. 29Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды. 30Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31Сол күни тамның төбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алайын деп төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, үйине қайтпасын. 32Луттың ҳаялын еске түсириңлер! 33Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, ол оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, ол оны сақлайды. 34Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир төсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. 35-36Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. [43]
37Сонда шәкиртлери Ийсадан:
– Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады.
Ийса оларға:
– Өлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.

 

18

 

Жесир ҳаял ҳәм қазы ҳаққында тымсал

 

1Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди.
2Ол былай деди:
– Бир қалада Қудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты. 3Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп өтине береди екен. 4Бирақ қазы көп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан өз өзине: «Мен Қудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман. 5Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти.
6Ийемиз Ийса сөзин даўам етип былай деди:
– Әдилсиз қазының сөзлерине қулақ салыңлар. 7Қудай Өзине күни-түни жалбарынып атырған, Өзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды көп күттирип қоя ма? 8Сизлерге айтатуғыным: көп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен?

 

Парисей ҳәм салықшы ҳаққында тымсал

 

9Өзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди:
10– Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен. 11Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Қудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен. 12Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен». 13Ал салықшы алыста турып, көзин аспанға көтериўге де батылы бармай, қатты өкинип[44]: «О, Қудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти.
14Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби өзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал өзин пәс тутқан адам жоқары болады.

 

Ийса ҳәм кишкене балалар

 

15Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бөбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны көрип, оларға кейиди. 16Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. 17Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.

 

Байлық ҳәм мәңгилик өмир

 

18Бир басшы Ийсадан:
– Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
19Ийса оған:
– Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 20Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле»[45], – деди.
21Бирақ ол:
– Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
22Буны еситкен Ийса оған:
– Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
23Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди.
24Ийса оның қапа болғанын көрип:
– Байлығы барлардың Қудай Патшалығына кириўи қандай қыйын! 25Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26Буны еситкенлер:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
27– Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Қудайдың қолынан келеди, – деди Ийса.
28Сонда Петр:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29Ийса шәкиртлерине:
– Сизлерге шынын айтаман: Қудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам 30бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады, – деди.

 

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи

 

31Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди:
– Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады. 32Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди 33ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.
34Бирақ шәкиртлери бул сөзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сөзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.

 

Ийсаның бир соқыр адамға шыпа бериўи

 

35Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди. 36Қасынан адамлардың өтип баратырғанын еситкен ол:
– Не болып атыр? – деп сорады.
37– Насыралы Ийса өтип баратыр, – дести адамлар оған.
38Сонда ол:
– Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақырып жиберди.
39Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып:
– Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
40Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан:
41– Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады.
– Ийем, көзлерим көретуғын болсын, – деди ол.
42Ийса оған:
– Көзлериң көретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди.
43Сол ўақытта-ақ соқыр адамның көзлери көре баслады ҳәм Қудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны көрген пүткил халық та Қудайды мақтады.

 

19

 

Салықшы Зақайдың қутқарылыўы

 

1Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен өтти. 2Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Өзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди. 3Ол Ийсаның қандай екенлигин көриўге умтылатуғын еди. Бирақ адамлар көп болғанлықтан, көре алмады. Өйткени оның бойы пәс еди. 4Ийсаны көриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден өтиўи керек еди. 5Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған:
– Зақай, тезирек төмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
6Ол тезлик пенен төмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды. 7Буны көргенлердиң ҳәммеси:
– Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады.
8Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге:
– Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, төрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди.
9Сонда Ийса:
– Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Өйткени бул адам да Ибрайымның урпағы-ғо. 10Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди.

 

Он мина ҳаққында тымсал

 

11Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сөзин даўам етти. Өйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Қудай Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди. 12Сонлықтан Ийса былай деди:
– Бир ақсүйек адам өзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты. 13Ол өзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа жибериңлер», – деп, оларға он мина[46] берипти. 14Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек көретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп айтып қалыпты.
15Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, өзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин өзине шақыртыпты. 16Бириншиси келип: «Хожайын! Сениң бир минаң және он мина арттырды», – депти. 17Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.
18Екиншиси келип: «Хожайын, сениң бир минаң және бес мина арттырды», – депти. 19Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.
20Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сениң минаң. Мен оны бет орамалға түйип сақладым. 21Мен сеннен қорқтым. Себеби сен қоймаған жериңнен алып, екпеген жериңнен оратуғын қатал адамсаң», – депти. 22Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени өз аўзыңнан шыққан сөзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең, 23неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим-ғо», – депти. 24Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти. 25«Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар. 26Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 27Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, көзимниң алдында өлтириңлер, – депти патша.

 

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

 

28Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди. 29Ол Зәйтүн деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап, 30оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 31Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.
32Жиберилгенлер барып, Ийсаның өзлерине айтқанларын анық тапты. 33Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери:
– Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.
34Олар:
– Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.
35Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине өзлериниң шапанларын салып, оған Ийсаны миндирди. 36Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын төседи.
37Ийса Зәйтүн таўынан төмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары өзлери көрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Қудайға мақтаўлар айта баслады:

 

38«Ийемиздиң атынан келиўши Патша жарылқанған!
Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Қудайға алғыс болсын!»[47]

 

39Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға:
– Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.
40Ийса оларға:
– Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
41Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны көрип жылап жиберди де:
42– Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң көзлериңнен жасырылған. 43Душпанларың бекинислер жасап, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи. 44Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Өйткени сен Қудайдың саған келген ўақтын билмедиң, – деди.

 

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

 

45Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады. 46Оларға:
– «Мениң үйим дуўа ететуғын үй болады»[48], – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар![49] – деди.
47Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. 48Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сөзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.

 

20

 

Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў

 

1Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип, 2Оннан:
– Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
3Ийса жуўап қайтарып:
– Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:
4Яқыяның шомылдырыўы[50] аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.
5Олар өз ара ойласып:
– Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар. 6Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, өйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести. 7Сонлықтан олар Ийсаға:
– Қаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.
8Сонда Ийса оларға:
– Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.

 

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

 

9Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди:
– Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, өзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты. 10Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты. 11Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты. 12Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти. 13Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти. 14Бирақ дийханлар оны көрип, өз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де, 15оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди? 16Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.
Буны еситкенлер:
– Қудай сақласын! – дести.
17Бирақ Ийса көзлерин оларға тигип:
– Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы:

 

«Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды»[51], –

 

деген сөзлер нени аңлатады?
18Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.
19Ийсаның бул тымсалды өзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.

 

Салық төлеў туўралы

 

20Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сөзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған өзлерин ҳақ нийетли қылып көрсететуғын жансызларды жиберди. 21Жансызлар Ийсадан:
– Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. 22Айтшы, бизлердиң Рим патшасы-Қайсарға салық төлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.
23Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:
24– Маған бир динар көрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди.
Олар:
– Қайсардың, – деп жуўап берди.
25Сонда Ийса:
– Олай болса, Қайсардың ҳақын Қайсарға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
26Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сөзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.

 

Қайта тирилиў ҳаққында сораў

 

27Қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң[52] айырымлары Ийсаға келип, Оннан:
28– Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған. 29Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз өлди. 30Екиншиси де, 31үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай өлип кетти. 32Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 33Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
34Ийса жуўап берип былай деди:
– Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады. 35Ал келеси дүньяға ҳәм өлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды. 36Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди өлмейди. Өлимнен қайта тирилгенликтен, Қудайдың балалары болады. 37Муўса да өлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта көрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы»[53] деп атаған. 38Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.
39Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери:
– Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.
40Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.

 

Масих кимниң Урпағы?

 

41Ийса оларға былай деди:
– Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи? 42Даўыттың өзи Забурда:

 

«Ийем мениң Ийеме айтты:
43„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»[54]

 

деген-ғо.
44Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?

 

Диний муғаллимлер ҳаққында

 

45Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине:
46– Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында өзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырыўды жақсы көреди. 47Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.

 

21

 

Жесир ҳаялдың садақасы

 

1Ийса нәзер салып, Ибадатхананың садақа қутысына Қудайға арналған сыйларын салып атырған байларды көрди. 2Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын көрип:
3– Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден көп салды. 4Өйткени булардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.

 

Ақырзаманның белгилери

 

5Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Қудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса:
6– Сизлер усы жерде көрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди.
7Олар Ийсадан:
– Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады.
8Ийса оларға:
– Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер. 9Урыслар ҳәм көтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Өйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди.
10Соңынан Ийса оларға былай деди:
– Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. 11Күшли жер силкиниўлер, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди. 12Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. 13Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады. 14Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. 15Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. 16Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди. 17Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. 18Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды. 19Сабырлық пенен өз жаныңызды қутқарасызлар.

 

Ерусалимниң қыйратылыўы

 

20– Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын көргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер. 21Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Қаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин. 22Өйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады. 23Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Қудайдың ғәзебине ушырайды. 24Олар қылыш жүзинен өткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады.

 

Адам Улының қайта келиўи

 

25– Қуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды. 26Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Өйткени аспан күшлери силкинеди. 27Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын көреди. 28Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды көтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын.

 

Сергек болып, дуўа етиңлер!

 

29Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
– Әнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар. 30Олардың жапырақ шығара баслағанын көргениңизде, жаздың жақынлағанын өзлериңиз билесизлер. 31Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын көргениңизде, Қудай Патшалығының жақын екенин билиңлер.
32Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. 33Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш жойылмайды.
34Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин. 35Өйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи. 36Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер.
37Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында өткизетуғын еди. 38Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди.

 

22

 

Яҳуданың сатқынлығы

 

1Қутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди. 2Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде өлтириўдиң жолын изледи.
3Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды. 4Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты. 5Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди. 6Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи.

 

Ийсаның соңғы кешеси

 

7Қутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди. 8Ийса Петр менен Юханды жиберип:
– Барыңлар, бизлер ушын Қутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди.
9Олар:
– Қай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады.
10Ийса оларға былай деди:
– Қалаға киргениңизде, гүзе менен суў көтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер 11ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер. 12Ол сизлерге төсеклер төселген жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Сол жерде таярлаңлар.
13Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
14Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 15Оларға:
– Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим. 16Сизлерге айтатуғыным: бул Қудай Патшалығында орынланбағанша, Мен бул асты енди жемеймен, – деди.
17Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де:
– Буны алып, өз ара бөлисип ишиңлер. 18Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди.
19Соң нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, оларға берди де:
– Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.
20Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып:
– Бул – Мениң сизлер ушын төгилетуғын қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим.
21Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бирге дастурханда. 22Адам Улы Қудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди.
23Шәкиртлер бир-биринен:
– Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады.

 

Ҳәммеден уллы ким?

 

24Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды. 25Ийса оларға былай деди:
– Миллетлердиң патшалары өз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады. 26Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын. 27Қайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен.
28Сынаўдан өткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар. 29Әкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен. 30Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўын ҳүким етесизлер.

 

Петрдиң таныўы туўралы болжаў

 

31Ийса Петрге:
– Симон, Симон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди. 32Бирақ Мен исенимиң таўсылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди.
33Симон Ийсаға:
– Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, өлимге де барыўға таярман, – деди.
34Бирақ Ийса оған:
– Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.

 

Дорба ҳәм қылыш

 

35Соң Ийса шәкиртлерине:
– Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик көрдиңлер? – деди.
– Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар.
36Сонда Ийса оларға:
– Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын. 37Өйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды»[55], – деген аят Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди.
38– Ийем! Қара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар.
– Сол жетеди, – деди Ийса.

 

Ийсаның Зәйтүн таўында дуўа етиўи

 

39Ийса шығып, Өз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди. 40Сол жерге келгенде, Ийса оларға:
– Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
41Өзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти:
42– О, Әкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын. 43Сонда аспаннан бир периште Ийсаға көринип, Оған күш берди. 44Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
45Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын көрди. 46Оларға:
– Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.

 

Ийсаның қолға алыныўы

 

47Ийса еле сөйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты. 48Ийса оған:
– Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди.
49Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип:
– Ийем, қылышты иске салайық па? – деди.
50Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады.
51Бирақ Ийса:
– Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди.
52Соң Ийса Өзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди:
– Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 53Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол көтермедиңлер. Бирақ енди заман сизики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт.

 

Петрдиң Ийсадан таныўы

 

54Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди. 55Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди. 56Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын көрип, оған тигилип қарады да:
– Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди.
57Бирақ Петр қызға:
– Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды.
58Бираздан кейин басқа биреў де Петрди көрип:
– Сен де солардың бирисең, – деди.
Бирақ Петр оған:
– Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди.
59Бир сааттай өткеннен соң, тағы биреў:
– Расында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен.
60Бирақ Петр оған да:
– Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
Тап сол ўақытта, ол сөйлеп турғанда, қораз шақырды. 61Ийемиз Ийса бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзин есине түсирди. 62Сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.

 

Ийсаны масқаралаў

 

63Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады. 64Оның көзлерин байлап, Оннан:
– Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады. 65Оған және басқа да көп жаман сөзлер айтты.

 

Ийса жоқарғы кеңес алдында

 

66Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер бирге жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны өзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. 67Оннан:
– Бизлерге айт, Сен Масихпысаң? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер. 68Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер. 69Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Қудайдың оң жағында отырады, – деди.
70Сонда ҳәммеси:
– Демек, Сен Қудайдың Улымысаң? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Мениң Сол екенимди өзлериңиз айттыңыз, – деп жуўап берди.
71Сонда олар:
– Бизлерге және қандай гүўалық керек? Өз аўзынан еситтик-ғо, – дести.

 

23

 

Ийсаның Пилатқа апарылыўы

 

1Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да, 2Оны былай деп айыплай баслады:
– Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Қайсарға салық төлеўге қарсы шығып, Өзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды.
3Пилат Ийсадан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
4Пилат бас руўханийлер менен халыққа:
– Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди.
5Бирақ олар айтқанынан қайтпай:
– Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести.

 

Ийса Ҳирод алдында

 

6Пилат буны еситкенде:
– Бул Адам галилалы ма? – деп сорады.
7Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың өзи де Ерусалимде еди. 8Ҳирод Ийсаны көргенде қатты қуўанды. Өйткени Ол туўралы көп еситкенликтен, Оны бурыннан көргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат[56] көрсетер деп үмитленетуғын еди. 9Ол Ийсаға көп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди. 10Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады. 11Ҳирод та өз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди. 12Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды.

 

Өлим ҳүкими

 

13Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, 14оларға:
– Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым. 15Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, Ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. 16-17Сонлықтан Оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. [57]
18Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан:
– Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты.
19Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди.
20Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи.
21Бирақ олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты.
22Пилат үшинши рет оларға:
– Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди.
23Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи. 24Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. 25Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.

 

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

 

26Әскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи.
27Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. 28Ийса оларға бурылып былай деди:
– Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар. 29Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. 30Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!»[58] – деседи. 31Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?
32Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды. 33«Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. 34Ийса:
– Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди.
Әскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бөлисти.
35Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип:
– Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масихы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди.
36Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:
37– Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести.
38Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
39Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири:
– Сен Масих емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
40Ал екиншиси оған кейип:
– Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба? 41Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. 42Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди.
43Ийса оған:
– Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.

 

Ийсаның жан тапсырыўы

 

44-45Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти. 46Ийса бәлент даўыс пенен бақырып:
– Әке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди.
Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
47Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап:
– Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди.
48Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип[59], излерине қайтты. 49Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.

 

Ийсаның қәбирге қойылыўы

 

50-51Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Қудай Патшалығын күтип жүрген еди. 52Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. 53Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды. 54Бул яҳудийлердиң таярлық күни[60] болып, дем алыс күни кирип киятырған еди.
55Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын көрди. 56Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды.
Ал дем алыс күни Қудайдың буйрығы бойынша дем алды.

 

24

 

Ийсаның қайта тирилиўи

 

1Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди. 2Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди. 3Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады. 4Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды. 5Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди:
– Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер? 6Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер. 7Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо. 8Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди.
9Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады. 10Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди. 11Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди. 12Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.

 

Еммаусқа баратуғын жолда

 

13Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып, 14болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести. 15Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди. 16Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады. 17Ийса олардан:
– Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады.
Олар қапалы пишинде тоқтап қалды. 18Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған:
– Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19Ийса олардан:
– Қандай ўақыялардан? – деп сорады.
Олар жуўап берип:
– Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди. 20Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды. 21Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды. 22Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып, 23Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди. 24Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – дести.
25Ийса оларға былай деди:
– Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар! 26Масих усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти. 29Бирақ олар:
– Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди.
Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди. 31Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды. 32Олар бир-бирине:
– Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты. 34Жыйналғанлар:
– Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға көринипти, – дести.
35Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.

 

Ийсаның шәкиртлерине көриниўи

 

36Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып:
– Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты. 38Ийса оларға:
– Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди? 39Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти. 41Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан:
– Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди. 43Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди.
44Сонда Ийса оларға былай деди:
– Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим.
45Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты 46ҳәм оларға және:
– Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи. 47Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис». 48Ал сизлер булардың гүўасысызлар. 49Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Қолларын көтерип, оларға пәтиясын берди. 51Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды. 52Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди. 53Қудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды.

 

 

 

Юхан

Юхан жазған Хош Хабар

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул Хош Хабарды елши Юхан жазған. Оның өзи китапта жазылған көп ўақыялардың гүўасы болған. Юханның бул Хош Хабарды жазғандағы мақсети адамлардың Ийсаның Қутқарыўшы Масих екенине исениўинен ҳәм бул арқалы өмирге ерисиўинен ибарат еди (20:31).
Юхан өз китабында Ийсаның Қудай менен бирге болған Қудайдың Сөзи екени ҳәм Оның бул дүньяға келип, адамлар арасында жасаған Қудайдың Улы екени ҳаққында айтады. Ислеген кәраматлары арқалы Ийса Өзиниң Қудайдың Улы екенин дәлиллегенин ҳәм адамлардың да буны мойынлағанын атап өтеди.
Және де, Юхан Ийсаны мынадай тымсаллар менен сүўретлейди: өмир наны, дүньяның нуры, қойлар ушын қапы, жақсы шопан, қайта тирилиў ҳәм өмир, жол, ҳақыйқат ҳәм өмир, жүзим ағашы ҳәм т. б.
Китаптың 14–17 бапларында Ийсаның Өзине тийисли адамларға деген терең сүйиспеншилиги ҳәм Оған исенетуғынлардың Ол себепли алатуғын тынышлығы ҳаққында кеңирек сөз етилген. Бизлер бул китап арқалы ким де ким Ийсаға исенсе гүналары кеширилип, мәңгилик өмир алатуғынын билип аламыз.

 

1

 

1Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. 2Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди.
3Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. 4Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. 5Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
6Қудай тәрепинен жиберилген Яқыя атлы бир адам бар еди. 7Ол нур ҳаққында гүўалық бериўге ҳәм ҳәмме ол арқалы исениўи ушын келди. 8Оның өзи нур емес еди, бирақ ол нур ҳаққында гүўалық бериўге жиберилген еди. 9Ҳәмме адамды жақты қылатуғын ҳақыйқый нур дүньяға келди.
10Сөз дүньяда еди. Дүнья Ол арқалы жаратылған еди, бирақ дүнья Оны танымады. 11Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. 12Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. 13Олар қаннан да, денениң қәлеўинен де, я адамның қәлеўинен де емес, ал Қудайдан туўылды.
14Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийрим ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.
15Яқыя Ол ҳаққында бәлент даўыс пенен гүўалық берип былай деди:
– «Мениң изимнен Келиўши меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқан Адамым – Усы. 16Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық. 17Өйткени Мухаддес Нызам Муўса арқалы берилген еди, бирақ мийрим ҳәм ҳақыйқат Ийса Масих[1] арқалы келди. 18Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ Оны Әкениң қушағындағы Өзи Қудай болған жалғыз Ул танытты.

 

Шомылдырыўшы Яқыяның гүўалығы

 

19Яҳудий басшылары Ерусалимнен руўханийлер менен лебийлилерди жиберип, Яқыядан: «Сен кимсең?» деп сорағанда, оның гүўалығы мынадай болды. 20Ол тән алды, танбады. «Мен Масих емеспен», – деп ашық мойынлады.
21Олар және Яқыядан:
– Ондай болса, сен кимсең? Илияссаң ба? – деп сорады.
– Ол емеспен, – деди Яқыя.
– Сен сол пайғамбармысаң? – деп сорады олар.
– Яқ, – деп жуўап берди ол.
22Сонда олар Яқыяға:
– Кимсең, айт, бизлерди жибергенлерге бир жуўап берейик. Өзиң ҳаққында не дейсең? – деди.
23Яқыя:
– Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийемиздиң жолын дүзетиңлер»[2], – деп шөлде бақырған даўыспан, – деди.
24-25Парисейлерден[3] жиберилгенлер Яқыядан:
– Егер сен Масих, Илияс, я сол пайғамбар болмасаң, сонда неге адамларды шомылдырып жүрсең? – деп сорады.
26Яқыя оларға былай деп жуўап берди:
– Мен суў менен шомылдыраман, бирақ араңызда сизлер танымайтуғын Биреў турыпты. 27Меннен соң киятырған Адам – Усы. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
28Булардың ҳәммеси Иордан дәрьясының арғы жағасындағы Бетанияда, Яқыяның шомылдырып жүрген жеринде болды.

 

Қудайдың Қозысы

 

29Ертеңине Яқыя өзине қарай киятырған Ийсаны көргенде былай деди:
– Мине, Бул – дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы! 30«Меннен кейин бир Адам киятыр. Ол меннен уллы. Себеби Ол меннен бурын бар еди», – деп айтқаным Усы. 31Мениң өзим Оны билмейтуғын едим, бирақ Израилдың Оны таныўы ушын мен суў менен шомылдырыўға[4] келдим.
32Яқыя гүўалық берип және былай деди:
– Мухаддес Руўхтың[5] кептер сыяқлы аспаннан түсип, Оның үстинде турғанын көрдим. 33Мен Оны билмейтуғын едим. Бирақ, мени суў менен шомылдырыў ушын жиберген Қудай маған: «Мухаддес Руўхтың түсип, кимниң үстинде турғанын көрсең, Мухаддес Руўх пенен шомылдыратуғын Сол», – деген еди. 34Мен буны көрип: «Бул – Қудайдың Улы» деп гүўалық бердим.

 

Ийсаның дәслепки шәкиртлери

 

35Ертеңине Яқыя және шәкиртлериниң екеўи менен бирге турған еди. 36Ол өтип баратырған Ийсаны көрип:
– Мине, Қудайдың Қозысы! – деди.
37Еки шәкирт оның бул сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерди. 38Ийса артына бурылып, изинен киятырғанларды көргенде, олардан:
– Не излеп жүрсизлер? – деп сорады.
– Қай жерде жасайсаң, Рәбби? – деди олар. (Рәбби – «устаз» дегенди билдиреди.)
39– Келип көриңлер, – деди Ийса.
Олар барып, Ийсаның қай жерде жасайтуғынын көрди ҳәм сол күни Оның менен қалды. Саат төртлер шамасында еди.
40Яқыяның сөзлерин еситип, Ийсаның изине ерген еки адамның бири Симон Петрдиң туўысқаны Андрей еди. 41Андрей дәслеп өз туўысқаны Симонды излеп таўып, оған:
– Бизлер Масихты таптық, – деди. (Масих – Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.)
42Андрей оны Ийсаға алып келди. Ийса оған қарап:
– Сен Юнус улы Симонсаң. Сен Кифа деп аталасаң, – деди. (Кифа – Петр, яғный «тас» дегенди аңлатады.)
43Келеси күни Ийса Галилаға бармақшы болды. Филипти таўып, оған:
– Изиме ер, – деди.
44Филип те Андрей менен Петр сыяқлы Бетсайда қаласынан еди. 45Филип Натаниелди таўып, оған:
– Бизлер Муўса Мухаддес Нызамда, пайғамбарлар да Жазыўларында жазған Адамды, Юсуптың Улы, Насыралы Ийсаны таптық, – деди.
46Натаниел оған:
– Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди.
– Келип көр, – деди Филип.
47Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди:
– Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
48Натаниел Ийсадан:
– Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады.
– Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса.
49Натаниел Ийсаға:
– Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
50Ийса оған:
– Сени әнжир ағашының астында көргенимди айтқаным ушын исенип атырсаң ба? Булардан да уллы ислерди көресең! – деди.
51Ийса және:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: аспан ашылғанын, Қудайдың периштелериниң Адам Улының[6] жоқарысында минип-түскенлерин көресизлер, – деди.

 

2

 

Ийсаның биринши кәраматы

 

1Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. 2Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. 3Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған:
– Олардың шарабы таўсылды, – деди.
4Ийса оған:
– Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5Ийсаның анасы хызметшилерге:
– Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7Ийса хызметшилерге:
– Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди.
Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8Сонда Ийса хызметшилерге:
– Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди.
Олар алып барды. 9Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10– Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11Ийса бул биринши кәраматын[7] Галиланың Кана қаласында ислеп, Өз уллылығын көрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.

 

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

 

13Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы[8] жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. 14Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. 15Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16Ол кептер сатыўшыларға:
– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди»[9], – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди.
18Яҳудий басшылары Ийсадан:
– Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19Ийса оларға жуўап берип:
– Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20Олар Ийсаға:
– Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. 22Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди.
23Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматларды[10] көрип, Оның атына исенди. 24Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди. 25Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.

 

3

 

Ийса ҳәм Никодим

 

1Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди. 2Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған:
– Устаз, Сениң Қудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Қудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды[11] ислей алмайды, – деди.
3Ийса оған:
– Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан[12] туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды, – деп жуўап берди.
4Никодим Ийсадан:
– Қартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
5Ийса оған жуўап берип былай деди:
– Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Қудай Патшалығына кире алмайды. 6Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады. 7Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма. 8Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
9Никодим Ийсадан:
– Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
10Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе? 11Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сөйлеймиз, көргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар. 12Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер? 13Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес. 14Муўсаның шөлде жыланды жоқары көтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары көтерилиўи тийис. 15Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик өмирге ийе болады.
16Себеби Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады. 17Қудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди. 18Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. 19Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди. 20Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. 21Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди.

 

Ийса ҳәм Яқыя

 

22Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды. 23Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди. 24Өйткени Яқыя еле қамалмаған еди. 25Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды. 26Олар Яқыяға келип:
– Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди.
27Яқыя былай деп жуўап берди:
– Қудайдан берилмесе, адам өзине ҳеш нәрсе ала алмайды. 28«Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар. 29Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым. 30Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
31Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сөйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы. 32Ол көргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди. 33Оның гүўалығын қабыл еткен Қудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды. 34Қудай тәрепинен жиберилген Қудайдың сөзлерин сөйлейди. Себеби Қудай Руўхын өлшеўсиз береди. 35Әке Өз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған. 36Улға исенген адам мәңгилик өмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам өмир көрмейди, ал Қудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.

 

4

 

Ийса ҳәм самариялы ҳаял

 

1-3Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда көп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти. Ҳақыйқатында Ийсаның Өзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди. Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти.
4Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди. 5Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың өз баласы Юсупке берген жерине жақын еди. 6Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди.
7Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған:
– Маған ишиўге суў бер, – деди.
8Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди.
9Самариялы ҳаял:
– Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Қалай меннен суў сорап турсаң? – деди.
Өйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды.
10Ийса ҳаялға:
– Егер сен Қудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң өзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди.
11– Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң? 12Сен бул қудықты бизлерге берген, өзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял.
13Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди:
– Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шөллейди. 14Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шөллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик өмир беретуғын тири булаққа айланады.
15Ҳаял Ийсаға:
– Мырза, енди шөллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди.
16– Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса.
17Ҳаял Оған:
– Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди.
– Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың. 18Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса.
19Ҳаял Оған:
– Мырза, Сениң пайғамбар екениңе көзим жетип тур. 20Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди.
21Ийса оған былай деди:
– Ҳаял, Маған исен, Қудай Әкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр. 22Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден. 23Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. 24Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
25Ҳаял Ийсаға:
– Қутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди.
26Ийса оған:
– Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди.
27Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сөйлесип турғанын көрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сөйлесип турсаң?» – деп сорамады.
28Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға:
29– Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды көриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди.
30Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди.
31Соның арасында шәкиртлери Ийсадан өтинип:
– Устаз, аўқат же! – деди.
32Бирақ Ийса оларға:
– Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди.
33Шәкиртлер бир-бирине:
– Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести.
34Бирақ Ийса оларға былай деди:
– Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў. 35Сизлер: «Жыйын-теримге еле төрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: көзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур. 36Орақшы өз ҳақын алады ҳәм мәңгилик өмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады. 37«Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди. 38Мен сизлерди өзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар.

 

Самариялылардың Ийсаға исениўи

 

39«Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың көбиси Ийсаға исенди. 40Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, өзлери менен қалыўды өтинди. Ол сол жерде еки күн қалды. 41Ийсаның сөзин еситип, және де көбирек адамлар исенди.
42Олар ҳаялға:
– Бизлер енди сениң сөзлериң себепли емес, ал Оның сөзлерин өзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Қутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести.

 

Ийсаның патша хызметкериниң улына шыпа бериўи

 

43Еки күн өткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти. 44Ийсаның Өзи: «Пайғамбар өз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди. 45Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Өйткени олар да Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин көрген еди.
46Ийса және Өзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди. 47Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, өлим төсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан өтинди.
48Ийса оған:
– Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди.
49Патша хызметкери Ийсаға:
– Мырза, улым өлип қалмастан бурын келе гөр! – деди.
50Ийса оған:
– Бар, улың жасайды, – деди.
Ол адам Ийсаның сөзине исенип, кетти. 51Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты. 52Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар:
– Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести.
53Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның өзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди.
54Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы[13] еди.

 

5

 

Ҳәўиздеги ләңниң шыпа табыўы

 

1Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти. 2Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. 3-4Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди[14]. 5Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди. 6Ийса оның жатырғанын көргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан:
– Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады.
7Кесел адам Оған:
– Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди.
8Ийса оған:
– Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, – деди.
9Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм төсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни[15] еди. 10Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға:
– Бүгин дем алыс күни-ғо, төсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди.
11Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди:
– Маған шыпа берген Адам: «Төсегиңди ал да, жүр», – деди.
12– Саған: «Төсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар.
13Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында көринбей қалған еди.
14Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған:
– Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди.
15Сол адам барып, өзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди.
16Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады. 17Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Әкем[16] усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман.
18Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди.

 

Қудай Улының бийлиги

 

19Ийса яҳудийлерге былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Әкениң қылған ислерин көрмегенше, Өзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Әке нени ислесе, Улы да соны ислейди. 20Себеби Әке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған көрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған көрсетеди. 21Әкениң өлилерди тирилтип, оларға өмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына өмир береди. 22Әке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған. 23Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады.
24Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти. 25Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: өлилердиң Қудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи. 26Өйткени Әкениң Өзи өмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Өзине де өмирдиң тийкары болыўды рухсат етти. 27Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы.
28Буған ҳайран қалмаңлар. Қәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр. 29Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи. 30Мен Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Қалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени жиберген Әкемниң еркин орынлаўға тырысаман.
31Егер Мен Өзим туўралы Өзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды. 32Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен.
33Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди. 34Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман. 35Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер.
36Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Әкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң өзи Мени Әкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр. 37Мени жиберген Әкемниң Өзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де көрмегенсизлер. 38Оның сөзлери де сизлерде жай алмайды, өйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар. 39Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик өмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди. 40Бирақ сизлер мәңгилик өмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо.
41Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман. 42Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ. 43Мен Әкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў өз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер. 44Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы көресизлер, бирақ жалғыз Қудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар?
45Мени Әкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы өзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады. 46Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған еди. 47Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сөзлериме қалай исенесизлер?

 

6

 

Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы

 

1Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына өтти. 2Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын[17] көргенликтен, көп халық изине ерди. 3Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды. 4Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы[18] жақынлап қалған еди.
5Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен:
– Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.
6Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди.
7Филип Оған:
– Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық[19] нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди.
8Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:
9– Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.
10Ийса:
– Халықты жерге отырғызыңлар, – деди.
Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады. 11Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди.
12Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине:
– Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
13Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
14Халық Ийсаның ислеген кәраматын[20] көрип:
– Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
15Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти.

 

Ийсаның теңиздиң үсти менен жүриўи

 

16Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды. 17Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. 18Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады. 19Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. 20Бирақ Ийса оларға:
– Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
21Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
22Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Өзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң өзлери кеткенин билди. 23Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди. 24Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин көрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.

 

Ийса – өмир наны

 

25Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан:
– Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады.
26Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар[21] көргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар. 27Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди.
28Олар Ийсадан:
– Қудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады.
29– Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
30Олар Ийсаға:
– Бизлер көрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат[22] көрсетежақсаң? Не ислейжақсаң? 31«Жеў ушын оларға аспаннан нан берди»[23], – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шөлде манна[24] жеген, – деди.
32Ийса оларға:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Әкем. 33Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди.
34Халық Ийсаға:
– Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди.
35Ийса оларға былай деди:
– Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди. 36Бирақ Мен сизлерге: «Мени көрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо. 37Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман. 38Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим. 39Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки. 40Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
41Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады.
42– Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар.
43Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Өз ара наразы болмаңлар. 44Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен. 45Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Қудай тәрепинен үйретиледи»[25], – деп жазылған. Әкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди. 46Қудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Әкени көрген емес, Әкени тек ғана Ол көрген. 47Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик өмирге ийе. 48Мен – өмир наныман. 49Ата-бабаларыңыз шөлде манна жесе де, өлип кетти. 50Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам өлмейди. 51Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем.
52Сонда яҳудийлер:
– Ол қалай бизлерге Өз денесин жеўге бере алады? – деп өз ара тартыса баслады.
53Ийса оларға былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде өмир болмайды. 54Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик өмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен. 55Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик. 56Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман. 57Мени тири Әкем жибергендей ҳәм Мениң Әкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды. 58Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар өлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды.
59Ийса бул сөзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада[26] тәлим бергенде айтты.

 

Мәңгилик өмир сөзлери

 

60Шәкиртлериниң көбиси буны еситип:
– Қандай қыйын сөзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди.
61Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди:
– Бул сөзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма? 62Егер Адам Улының бурын болған жерине көтерилгенин көрсеңиз ше? 63Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир. 64Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар.
Өйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Өзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди. 65Ийса және:
– «Әкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди.
66Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
67Сонда Ийса он еки шәкиртинен:
– Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
68Симон Петр жуўап берип:
– Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар. 69Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Қудайдың Мухаддесисең, – деди.
70Ийса оларға:
– Сизлерди, он екини таңлап алған Өзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди.
71Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.

 

7

 

Ийса ҳәм Оның инилери

 

1Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, өйткени яҳудий басшылары Оны өлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди. 2Яҳудийлердиң Қос байрамы жақынлап қалған еди. 3Сонда Ийсаның инилери Оған:
– Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де көрсин. 4Себеби өзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Өзиңди дүньяға көрсет, – дести.
5Өйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди.
6Ийса оларға:
– Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы. 7Дүнья сизлерди жек көре алмайды, бирақ Мени жек көреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен. 8Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, өйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди.
9Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды.

 

Ийса Ерусалимдеги байрамда

 

10Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Өзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды. 11Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады.
12Халық арасында Ол ҳаққында көп сыбырлы сөзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди. 13Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сөйлей алмайтуғын еди.
14Байрамның ярымы өткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады. 15Яҳудий басшылары:
– Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты.
16Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мениң тәлийматым Өзимдики емес, ал Мени Жибергендики. 17Ким де ким Қудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Қудайдан ба ямаса Мен Өзлигимнен айтып атырман ба, билип алады. 18Өз атынан сөйлеўши өзине уллылық излейди, ал Өзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ. 19Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын өлтирмекшисизлер?
20Халық:
– Сени жин урған ба? Ким Сени өлтирмекши? – деди.
21Ийса сөзин даўам етип, оларға былай деди:
– Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар. 22Муўса сизлерге сүннетти[27] буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан[28] қалған еди. 23Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар? 24Сыртқы көриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар.

 

Ийса – Масих па?

 

25Сонда айырым ерусалимлилер:
– Өлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе? 26Мине, Ол ашық сөйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар? 27Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести.
28Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди:
– Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Өз Өзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер. 29Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди.
30Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 31Ал халық арасында көп адамлар Оған исенип:
– Масих келгенде, бул Адамнан да көбирек кәраматлар[29] ислер ме екен? – деди.
32Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сөзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди.
33Ийса былай деди:
– Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман. 34Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар.
35Сонда яҳудий басшылары өз ара:
– Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме? 36«Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сөзлер нени аңлатады екен? – дести.
37Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди:
– Ким де ким шөллесе, Маған келип ишсин. 38Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады.
39Ийса бундай деп, Өзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди.
40Халық арасынан айырымлар бул сөзлерди еситип:
– Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди.
41Басқалары: «Бул – Масих», – дести.
Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди? 42Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“[30], – деп жазылған емес пе?» – дести.
43Солай етип, Ийса себепли халық арасында бөлиниў пайда болды. 44Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди.

 

Яҳудий басшыларының Ийсаға исенбеўи

 

45Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан:
– Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады.
46Сақшылар жуўап берип:
– Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сөйлеген емес, – деди.
47Парисейлер оларға:
– Сизлер де алдандыңыз ба? 48Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә? 49Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди.
50Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға:
51– Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди.
52Оған:
– Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар.
53Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.

 

8

 

Бузықшылықта усланған ҳаял

 

1Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти. 2Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады. 3Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып:
4– Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды. 5Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған[31]. Сен не дейсең? – деди.
6Олар бул сөзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты.
Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди. 7Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип:
– Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди.
8Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди.
9Олар бул сөзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды. 10Ийса орнынан турып, ҳаялға:
– Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди.
11– Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял.
Ийса оған:
– Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.

 

Ийса – дүньяның нуры

 

12Ийса және халыққа былай деди:
– Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады.
13Сонда парисейлер Ийсаға:
– Сен Өзиң ҳаққында Өзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди.
14Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Өйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер. 15Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен. 16Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Әкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз. 17Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс»[32], – деп жазылған-ғо. 18Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Әкем де гүўалық береди.
19Сонда олар Ийсадан:
– Сениң Әкең қаяқта? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Сизлер Мени де, Мениң Әкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер, – деди.
20Ийса бул сөзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, өйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
21Ийса оларға және:
– Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди.
22Сонда яҳудий басшылары өз ара:
– Ол Өзин Өзи өлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести.
23Ийса оларға былай деди:
– Сизлер төменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен. 24Сонлықтан Мен: «Сизлер өз гүналарыңыз бенен өлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол[33] екениме исенбесеңлер, өз гүналарыңыз бенен өлесизлер.
25Сонда олар Ийсадан:
– Сен кимсең? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман. 26Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын көп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сөйлеймен, – деди.
27Олар Ийсаның Әке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди. 28Солай етип, Ийса былай деди:
– Адам Улын жоқары көтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Әкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар. 29Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Өйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен.
30Ийса бул сөзлерди айтқанда, Оған көп адамлар исенди.

 

Ибрайымның урпақлары

 

31Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге:
– Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. 32Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди.
33– Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар.
34Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы. 35Қул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады. 36Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар. 37Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени өлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сөзим кеўлиңизден жай алмайды. 38Мен Әкемнен көргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер.
39Олар Ийсаға жуўап берип:
– Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести.
Ийса оларға:
– Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер. 40Бирақ енди Мени, Қудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды өлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди. 41Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди.
– Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар.
42Ийса оларға былай деди:
– Егер Қудай сизлердиң Әкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Өйткени Мен Қудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Өзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди. 43Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сөзимди тыңлай алмайсызлар. 44Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси. 45Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар. 46Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар? 47Ким Қудайдан болса, Қудайдың сөзлерин тыңлайды. Ал сизлер Қудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.

 

Ийса ҳәм Ибрайым

 

48Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип:
– Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди.
49Ийса жуўап берип былай деди:
– Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Әкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар. 50Мен Өзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар. 51Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди.
52Яҳудийлер Ийсаға:
– Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар өлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», – деп атырсаң. 53Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да өлип кеткен. Сен Өзиңди ким деп санайсаң? – деди.
54Ийса жуўап берип былай деди:
– Егер Мен Өзимди Өзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Қудайымыз» деп атайтуғын Мениң Әкем. 55Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы өтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сөзин орынлайман. 56Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды.
57Яҳудийлер Ийсаға:
– Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды көрдиң бе? – деди.
58Ийса оларға:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди.
59Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.

 

9

 

Ийсаның иштен соқыр болып туўылған адамға шыпа бериўи

 

1Ийса өтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды көрди. 2Шәкиртлери Ийсадан:
– Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
3Ийса былай деп жуўап берди:
– Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды. 4Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды. 5Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман.
6Ийса бул сөзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың көзлерине жақты 7ҳәм оған:
– Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди.
Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм көзлери көретуғын болып, қайтып келди.
8Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын көргенлер:
– Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди.
9Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның өзи: «Мен сол адамман», деди.
10– Олай болса, көзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар.
11Ол жуўап берип:
– Ийса деген Адам ылай ислеп, көзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм көзлерим көретуғын болды, – деди.
12Олар:
– Ол қаяқта? – деп сорады.
– Билмеймен, – деди ол.
13Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды. 14Ийсаның ылай ислеп, соқырдың көзин ашқан күн дем алыс күни[34] еди. 15Сонда парисейлер де оннан көзлериниң қалай көретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға:
– Ийса мениң көзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди көретуғын болдым, – деди.
16Сонда гейбир парисейлер:
– Бул Адам Қудайдан емес. Өйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди.
Бирақ басқалары:
– Гүнакар адам бундай кәраматларды[35] қалай ислей алады? – деди.
Солай етип, олардың арасында бөлиниў пайда болды.
17Олар және бурын соқыр болған сол адамнан:
– Көзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады.
– Ол пайғамбар, – деди ол.
18Бирақ яҳудий басшылары көзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди көзлериниң көретуғынына исенбеди. 19Олар оның ата-анасынан:
– Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай көретуғын болды? – деп сорады.
20Оның ата-анасы жуўап берип:
– Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз. 21Бирақ, енди қалай оның көретуғын болғанын ҳәм оның көзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Өзинен сораң, ол ержеткен, өзи ушын өзи сөйлесин, – деди.
22Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих[36] екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди. 23Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, өзинен сораң», – деген еди.
24Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған:
– Ҳақыйқатын айтып, Қудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди.
25– Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди көретуғын болдым, – деп жуўап берди ол.
26Олар және оннан:
– Ол саған не иследи? Көзлериңди қалай ашты? – деп сорады.
27– Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол.
28Сонда яҳудийлер оған жекиринип:
– Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз! 29Қудайдың Муўса менен сөйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди.
30Көзи ашылған адам оларға:
– Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң көзлеримди ашты. 31Бизлер Қудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Қудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды. 32Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның көзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп. 33Егер бул Адам Қудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди.
34Яҳудийлер оған жуўап берип:
– Өзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.

 

Руўхый соқырлық

 

35Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып:
– Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады.
36Ол жуўап берип:
– Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди.
37Ийса оған:
– Сен Оны көрдиң. Мине, сениң менен сөйлесип турған – Оның Өзи, – деди.
38Сонда ол:
– Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды.
39Ийса:
– Соқырлар көрсин, көретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди.
40Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сөзлерди еситип, Оған:
– Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди.
41Ийса оларға:
– Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Көзлеримиз көреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.

 

10

 

Ийса – жақсы шопан

 

1Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. 2Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. 3Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. 4Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды. 5Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды.
6Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди.
7Сонлықтан Ийса және былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. 8Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. 9Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. 10Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим.
11Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди. 12Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын көрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди. 13Өйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди.
14-15Мен – жақсы шопанман. Әкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Әкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен. 16Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады. 17Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Әкем Мени сүйеди. 18Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Өзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Әкемнен алдым.
19Усы сөзлер себепли, яҳудийлер арасында және бөлиниў пайда болды. 20Олардың көбиси:
– Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди.
21Ал басқалары:
– Бул жинли адамның сөзлери емес. Жин соқырдың көзлерин аша ала ма? – деди.
22Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы[37] болды. Қыс еди. 23Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди. 24Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып:
– Қашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди.
25Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Әкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр. 26Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер. 27Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди. 28Мен оларға мәңгилик өмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды. 29Оларды Маған берген Әкем – ҳәммеден уллы. Әкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды. 30Мен ҳәм Әкем бирмиз.
31Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды. 32Ийса олардан:
– Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады.
33Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип:
– Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», – деп атырсаң, – деди.
34Ийса оларға былай деди:
– «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим»[38], – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе? 35Қудай Өз сөзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды.
36Әкениң Өзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Қудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Қудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер? 37Егер Әкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер. 38Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Әкениң Менде, Мениң Әкеде екенимди түсинип, билип аласызлар.
39Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды.
40Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды. 41Оған көп адамлар келип:
– Яқыя ҳеш қандай кәрамат[39] ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди.
42Сол жерде көп адамлар Ийсаға исенди.

 

11

 

Лазардың өлими

 

1-2Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди. Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди. 3Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди.
4Ийса буны еситип:
– Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Қудайдың Улы да уллыланады, – деди.
5Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди. 6Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды.
7Соңынан шәкиртлерине:
– Және Яҳудияға барайық, – деди.
8Шәкиртлери Оған:
– Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди.
9Ийса жуўап берип:
– Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, өйткени ол бул дүньяның нурын көреди. 10Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди.
11Ийса бул сөзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди:
– Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман.
12– Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери.
13Ийса Лазардың өлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады.
14Сонда Ийса оларға ашық айтып:
– Лазар өлди. 15Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
16Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге:
– Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди.

 

Ийса – қайта тирилиў ҳәм өмир

 

17Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына төрт күн болғанын билди. 18Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан, 19көп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының өлими себепли кеўил айтыўға келди. 20Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды.
21Марта Ийсаға:
– Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. 22Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
23Ийса оған:
– Сениң әжағаң тириледи, – деди.
24– Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
25Ийса оған:
– Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. 26Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
27Марта Оған:
– Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
28Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып:
– Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
29Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти. 30Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди. 31Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын көрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди.
32Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды да:
– Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди, – деди.
33Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды.
34– Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады.
– Ийем, келип көр, – деди олар.
35Ийса көзине жас алды.
36Сонда яҳудийлер:
– Қараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди.
37Бирақ олардың айырымлары:
– Соқырдың көзлерин ашқан бул Адам Лазарды өлимнен аман алып қалмас па еди? – деди.

 

Ийсаның Лазарды тирилтиўи

 

38Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Қәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди. 39Ийса:
– Тасты алып қойыңлар, – деди.
Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға:
– Ийем! Енди ийисленип баратыр. Өйткени оның қәбирге қойылғанына төрт күн болды, – деди.
40Ийса оған:
– «Егер Маған исенсең, Қудайдың уллылығын көресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди.
41Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди:
– Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. 42Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым.
43Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен:
– Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
44Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға:
– Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.

 

Яҳудийлердиң Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириўи

 

45Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди. 46Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. 47Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып:
– Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлар[40] ислемекте. 48Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди.
49Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа:
– Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. 50Пүткил халық набыт болғанынан гөре, бир адамның халық ушын өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди.
51-52Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди.
53Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди. 54Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шөлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды.
55Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен көп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди. 56Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып:
– Қалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады. 57Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.

 

12

 

Мәриямның Ийсаның аяқларына әтир май қуйыўы

 

1Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти.
4Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5– Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди.
7Ийса:
– Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди.
9Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди. 10Ал бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди. 11Өйткени ол себепли, көп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.

 

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

 

12Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди:

 

– Ҳосанна![41]
«Ийемиздиң аты менен киятырған
Израилдың Патшасы жарылқансын!»[42]
14-15Мухаддес Жазыўда:
«Қорқпа, Ерусалим халқы![43]
Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр»[44], –

 

деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. 18Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты[45] ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19Ал парисейлер бир-бирине:
– Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.

 

Ийсаның Өз өлими ҳаққында алдын ала айтыўы

 

20Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. 21Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип:
– Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти.
22Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. 24Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди. 25Өз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын жек көретуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды. 26Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди.
27Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28Әке, Өз атыңды уллыла!
Сонда аспаннан:
– Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди.
30Ийса оларға жуўап берип:
– Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими[46] қуўып шығарылады. 32Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди.
33Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты.
34Халық Оған былай деп жуўап берди:
– Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35Ийса былай деди:
– Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. 36Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар.
Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды.

 

Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи

 

37Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлар[47] ислесе де, олар Ийсаға исенбеди. 38Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды:

 

«Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди?
Ийемниң қүдирети кимге көринди?»[48]

 

39Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:

 

40«Қудай олардың көзлерин соқыр етти
ҳәм жүреклерин тас қылды.
Көзлери менен көрмейди,
Жүреклери менен түсинбейди.
Мен оларға шыпа бериўим ушын,
Маған қайтып келмейди»[49].

 

41Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди.
42Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. 43Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди.

 

Ақырғы күн ҳәм ҳүким

 

44Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди:
– Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады. 45Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады. 46Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. 48Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. 49Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды. 50Оның буйрығының мәңгилик өмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман.

 

13

 

Ийсаның Өз шәкиртлериниң аяғын жуўыўы

 

1Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди.
2Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди. 3Ийса Әкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин ҳәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, 4дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. 5Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады.
6Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған:
– Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди.
7Ийса оған жуўап берип:
– Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди.
8– Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол.
– Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса.
9Симон Петр Ийсаға:
– Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гөр! – деди.
10Ийса оған:
– Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди.
11Ийса Өзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди.
12Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди:
– Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме? 13Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. 14Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. 15Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим. 16Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де өзин жибергеннен уллы емес. 17Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар!

 

Ийсаға сатқынлық

 

18– Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Өзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол көтерди»[50], – деген сөзлер орынланыўы керек.
19Бул жүз бергенде, Мениң Сол[51] екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман. 20Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
21Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сөйлеп былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди.
22Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. 23Шәкиртлер арасында бири Оның көкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. 24Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады.
25Ийсаның көкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан:
– Ийем, ол ким? – деп сорады.
26Ийса жуўап берип:
– Мен мына бир бөлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бөлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди. 27Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған:
– Қылажақ исиңди тезирек қыл, – деди.
28Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сөзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. 29Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. 30Ал Яҳуда бир бөлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.

 

Жаңа буйрық

 

31Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди:
– Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Қудай да уллыланды. 32Қудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Қудайдың Өзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды.
33Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар.
34Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады.

 

Петрдиң таныўы ҳаққында болжаў

 

36Симон Петр Ийсаға:
– Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди.
Ийса:
– Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди.
37Петр Оған:
– Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди.
38Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.

 

14

 

Ийса – жол, ҳақыйқат ҳәм өмир

 

1Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер. 2Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. 3Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен. 4Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер.
5Томас Ийсаға:
– Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
6Ийса оған былай деди:
– Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды. 7Егер Мени билсеңлер, Әкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны көрдиңлер.
8Филип Ийсаға:
– Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, – деди.
9Ийса оған былай деди:
– Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет», – деп айтып атырсаң? 10Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сөзлеримди Өзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Әке Өз ислерин ислеп атыр. 11Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер. 12Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман. 13Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. 14Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.

 

Ийсаның Мухаддес Руўхты ўәде етиўи

 

15– Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. 16Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. 17Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады. 18Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен. 19Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып көрмейди. Бирақ сизлер Мени көресизлер. Өйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер. 20Сол күни сизлер Мениң Әкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер. 21Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен.
22Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға:
– Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди.
23Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз. 24Мени сүймеген адам сөзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сөзлер Меники емес, ал Мени жиберген Әкемдики.
25Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым. 26Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди. 27Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
28Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Әкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Әкем Меннен уллы. 29Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым. 30Сизлер менен енди көп сөйлеспеймен. Өйткени бул дүньяның ҳәкими[52] киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ. 31Бирақ бул дүнья Мениң Әкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Қәне турыңлар, бул жерден кетейик.

 

15

 

Жүзим ағашы ҳәм оның шақалары

 

1– Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. 2Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. 3Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. 4Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
5Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. 6Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. 7Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. 8Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
9Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. 10Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. 11Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым. 12Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер. 13Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ. 14Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар. 15Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим. 16Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди. 17Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!

 

Дүньяның жек көриўи

 

18– Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. 19Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди. 20Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды. 21Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди. 22Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ. 23Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады. 24Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди көрсе де, Мени де, Әкемди де жек көрди. 25Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек көрди»[53], – деген сөзлердиң орынланыўы ушын болды.
26Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди. 27Сизлер де гүўалық бересизлер. Өйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.

 

16

 

1– Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым. 2Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди. 3Буларды Әкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди. 4Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Әўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим.

 

Мухаддес Руўхтың иси

 

5– Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Қаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ. 6Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды. 7Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен. 8Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды. 9Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди. 10Ҳақлық соннан ибарат: Мен Әкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени көрмейсизлер. 11Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди.
12Сизлерге және де айтатуғынларым көп, бирақ ҳәзир сизлер көтере алмайсызлар. 13Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Өзлигинен сөйлемейди, тек нени еситсе, соны сөйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди. 14Ол Мени уллылайды. Өйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди. 15Әкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим.
16Бираздан соң, сизлер Мени қайтып көрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени көресизлер.

 

Қайғыңыз қуўанышқа айланады

 

17Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине:
– «Бираздан соң, сизлер Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер» ҳәм «Себеби Әкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши? 18«Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди.
19Ийса олардың Өзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди:
– «Бираздан соң, Мени көрмейсизлер, және бираздан соң, Мени көресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма? 20Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады. 21Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, өйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди. 22Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және көремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды. 23Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди. 24Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
25Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сөйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Әкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман. 26Сол күни Мениң атым менен Әкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Әкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ. 27Әкемниң Өзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Әкемнен келгениме исендиңлер. 28Мен Әкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Әкеме қайтып баратырман.
29Шәкиртлери Ийсаға:
– Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң. 30Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Қудайдан келгениңе исенемиз, – деди.
31Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Енди исенесизлер ме? 32Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, өйткени Әкем Мениң менен бирге.
33Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!

 

17

 

Ийсаның Өзи ушын дуўа етиўи

 

1Ийса бул сөзлерди айтып болғаннан соң, көзлерин аспанға тигип былай деди:
– Әке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла. 2Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик өмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң. 3Мәңгилик өмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Қудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў. 4Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым. 5Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла.

 

Ийсаның шәкиртлери ушын дуўа етиўи

 

6– Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени[54] ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады. 7Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды. 8Өйткени Маған берген сөзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди. 9Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники. 10Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым. 11Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Әке, Маған берген Өз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын. 12Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды.
13Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сөзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман. 14Мен оларға Сениң сөзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек көрди. Өйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 15Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман. 16Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 17Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сөзиң – ҳақыйқат. 18Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим. 19Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Өзимди олар ушын бағышлайман[55].

 

Ийсаның барлық исениўшилер ушын дуўа етиўи

 

20– Мен тек олар ушын емес, ал олардың сөзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: 21олардың ҳәммеси бир болсын. Әке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. 22Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим. 23Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын.
24Әке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да көриўин қәлеймен.
25Әдил Әке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи. 26Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.

 

18

 

Ийсаның қолға алыныўы

 

1Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына өтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди.
2Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди. 3Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди.
4Ийса Өзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан:
– Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.
5– Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар.
– Мен – Солман, – деди Ийса.
Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди. 6Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды.
7Сонда Ийса олардан және:
– Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.
– Насыралы Ийсаны, – дести олар.
8Ийса жуўап берип:
– Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди.
9Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Өзи айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды.
10Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Қулдың аты Малкус еди.
11Ийса Петрге:
– Қылышыңды қынабына салып қой! Әкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди.
12Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады. 13Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди. 14Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның өлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди.

 

Петрдиң Ийсадан таныўы

 

15Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди. 16Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сөйлести де, Петрди ишке алып кирди.
17Қапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден:
– Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады.
– Яқ, – деп жуўап берди ол.
18Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар көмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды.

 

Бас руўханийдиң Ийсаны тергеўи

 

19Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады.
20Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Мен дүньяға ашық сөйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым. 21Неге Меннен сорап атырсаң? Сөйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи.
22Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири:
– Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди.
23Ийса оған:
– Егер Мен надурыс сөйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сөйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди.
24Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди.

 

Петрдиң Ийсадан және таныўы

 

25Симон Петр еле отқа жылынып тур еди.
– Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар.
Бирақ ол танып:
– Яқ, – деди.
26Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден:
– Сени бағда Оның менен бирге көрген жоқпан ба? – деп сорады.
27Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.

 

Ийса Пилат алдында

 

28Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди. 29Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан:
– Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады.
30Олар жуўап берип:
– Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди.
31Пилат оларға:
– Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди.
Яҳудий басшылары:
– Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди.
32Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.
33Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны өзине шақыртып:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
34Ийса былай деп жуўап берди:
– Буны өзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма?
35Пилат:
– Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Өз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди.
36Ийса жуўап берип:
– Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди.
37– Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат.
Ийса жуўап берип:
– Өзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди.
38Пилат Ийсаға:
– Ҳақыйқат деген не? – деди.
Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға:
– Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман. 39Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Қутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди.
40Бирақ олар және:
– Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты.
Ал Бараба қозғалаңшы еди.

 

19

 

Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи

 

1Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди. 3Алдына келип:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.
4Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге:
– Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.
5Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға:
– Мине, бул Адам! – деди.
6Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде:
– Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты.
Пилат оларға:
– Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.
7Яҳудий басшылары оған жуўап берип:
– Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди.
8Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9Қайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан:
– Сен қай жерденсең? – деп сорады.
Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. 10Пилат Оған:
– Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.
11Ийса жуўап берип:
– Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.
12Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары:
– Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Қайсардың досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Қайсарға қарсы болады, – деп бақырысты.
13Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге:
– Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.
15Бирақ олар бақырысып:
– Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди.
Пилат оларға:
– Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди.
– Бизлердиң Қайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.
16Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды.

 

Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи

 

Әскерлер Ийсаны алып кетти. 17Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. 18Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.
19Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. 20Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. 21Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди:
– «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.
22– Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.
23Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.
24Сонлықтан әскерлер бир-бирине:
– Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди.
Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:

 

«Сыртқы кийимимди өз ара бөлисти,
Көйлегим ушын шек таслады»[56].

 

Әскерлер усы айтылғанды иследи. 25Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. 26Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына:
– Апа, мине, сениң улың, – деди.
27Кейин шәкиртине:
– Мине, бул сениң анаң, – деди.
Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.

 

Ийсаның жан тапсырыўы

 

28Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын:
– Шөллеп турман! – деди.
29Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Әскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың[57] шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты. 30Ийса оны татып көрип:
– Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
31Бул таярлық күни[58] еди. Ертеңги күн Қутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни[59] болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады. 32Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. 33Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады. 34Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты. 35Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди. 36Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды»[60], – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды. 37Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды»[61], – делинген.

 

Ийсаның қәбирге қойылыўы

 

38Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. 39Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа[62] жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди. 40Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады. 41Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. 42Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.

 

20

 

Ийсаның қайта тирилиўи

 

1Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын көрди. 2Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы көретуғын сол шәкиртине барды да, оларға:
– Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди.
3Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды. 4Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди. 5Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын көрди, бирақ ишке кирмеди. 6Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм 7Ийсаның басына оралған орамалды көрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бөлек жерде бүкленип турған еди. 8Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды көрип, исенди. 9Себеби олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди. 10Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.

 

Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи

 

11Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады 12ҳәм ақ кийимли еки периштени көрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди.
13Олар Мәриямнан:
– Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады.
– Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол.
14Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын көрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады.
15Ийса оған:
– Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди.
Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған:
– Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди.
16Ийса оған:
– Мәриям! – деди.
Мәриям бурылып, еврейшелеп:
– Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.)
17Ийса оған:
– Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Әкемниң жанына көтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Әкемниң ҳәм сизлердиң Әкеңиздиң, Мениң Қудайымның ҳәм сизлердиң Қудайыңыздың алдына көтерилип баратырғанымды айт, – деди.
18Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға:
– Мен Ийемди көрдим! – деди ҳәм Ийсаның өзине не айтқанларын оларға хабарлады.

 

Ийсаның шәкиртлерине көриниўи

 

19Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға:
– Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
20Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин көрсетти. Шәкиртлер Ийемизди көрип, қатты қуўанды.
21Ийса оларға және былай деди:
– Тынышлық сизлерге яр болсын! Әкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман. 22Усылай деди де, оларға қарай үплеп:
– Мухаддес Руўхты алыңлар. 23Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Қудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.

 

Ийсаның Томасқа көриниўи

 

24Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди. 25Сонлықтан басқа шәкиртлер оған:
– Бизлер Ийемизди көрдик, – дести.
Бирақ Томас оларға:
– Оның қолларындағы шеге излерин көрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап көрмегенимше, исенбеймен, – деди.
26Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да:
– Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
27Соңынан Томасқа:
– Бармағыңды берман соз. Қолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап көр. Гүманланбай, исен, – деди.
28Томас Оған жуўап берип:
– Ийем мениң, Қудайым мениң! – деди.
29Ийса оған:
– Сен Мени көргенликтен исендиң. Бирақ, көрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди.

 

Бул китаптың мақсети

 

30Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да көп кәраматлар[63] иследи. 31Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Қудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен өмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.

 

21

 

Ийсаның Галилада жети шәкиртине көриниўи

 

1Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және көринди. Бул былай болды: 2Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди. 3Симон Петр оларға:
– Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди.
– Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар.
Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады.
4Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди.
5Ийса олардан:
– Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады.
– Жоқ, – деп жуўап берди олар.
6– Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса.
Олар аў салып, көп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады.
7Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге:
– Бул Ийемиз! – деди.
«Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, өзин теңизге атты. 8Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Өйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр[64] узақлықта еди. 9Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған көмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды көрди.
10Ийса оларға:
– Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди.
11Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли көп болса да, аў жыртылмады. 12Ийса оларға:
– Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди.
Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди. 13Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи.
14Солай етип, бул Ийсаның өлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте көриниўи еди.

 

Ийсаның Петр менен сөйлесиўи

 

15Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден:
– Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады.
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр.
Ийса оған:
– Қозыларымды отлат, – деди.
16Ийса екинши мәрте оннан:
– Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады.
Петр Оған:
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди.
Ийса оған:
– Қойларымды бақ, – деди.
17Үшинши мәрте Ийса оннан:
– Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады.
Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды.
– Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр.
Ийса оған былай деди:
– Қозыларымды отлат. 18Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады.
19Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып:
– Изиме ер, – деди.
20Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын көрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның көкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди. 21Петр оны көрип, Ийсадан:
– Ийем, оған не болады? – деп сорады.
22Ийса оған:
– Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
23Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт өлмейди», – деген сөз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол өлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди.
24Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз.
25Ийса ислеген басқа да көп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.

 

 

 

Елшилердиң ислери

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул китапты Лука жазған. Ол елшилер менен жақсы таныс болып, елши Павелдиң көп сапарларында оған жолдас болған. Китапта бизиң эрамыздың I әсириниң орталарында биринши исениўши жәмәәтлердиң 30 жыл ишиндеги тарийхы сөз болады.
Бул китап Ийса Масих туўралы Хош Хабардың даўамы болып, елшилердиң ўазлары ҳәм исениўши жәмәәтлердиң дүзилгени арқалы Қудайдың ислериниң даўам етип исленип атырғанын көрсетеди.
Және де, ол төрт Хош Хабарды ҳәм елшилердиң хатларын байланыстырыўшы көпир болып, елшилер Петр ҳәм Павелдиң хызмети ҳаққында ҳәм исениўши жәмәәтлерге жазылған Жаңа Келисимдеги хатлар жазылған ўақытта қандай жағдай болғаны ҳаққында мағлыўмат береди.
Китаптағы ўақыялар Ерусалимнен баслап Римге дейинги аралықта болып өтеди. Луканың бул китапты жазғандағы мақсети тек исениўши жәмәәтлердиң тарийхын жазып қалдырыў емес, ал Ийса Масихтың Хош Хабарының пүткил дүньяға тарқатылыўы ушын Мухаддес Руўхтың исениўшилер арқалы нелер ислегенин көрсетиўден ибарат еди. Өйткени Ийемиз Ийсаның Өзи: «Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар», – деген еди (1:8).
Ҳәзир де Мухаддес Руўх Ийса Масихқа тийисли исениўши жәмәәтлер арқалы солай ис алып бармақта.

 

1

 

1-2Ҳүрметли Теофил!
Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх[1] арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. 3Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. 4Олар менен бирге болғанда[2] мына буйрықты берди:
– Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. 5Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады:
– Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7Ийса оларға:
– Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. 8Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11– Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.

 

Матиястың Яҳуданың орнына сайланыўы

 

12Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай[3] жерде жайласқан еди. 13Қалаға кирип, өзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына көтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди. 14Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16– Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди. 17Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
( 18Бул адам өз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды. 19Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Қан жери» деген мәнисти аңлатады.)
20Өйткени Забурда:

 

«Оның мәканы қаңырап қалсын,
Онда жасаўшы болмасын»[4].

 

Және де:

 

«Оның орнын басқа биреў ийелесин»[5], – деп жазылған.

 

21-22Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан[6] баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. 24-25Соңынан олар былай деп дуўа етти:
– О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге көрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, өзине ылайықлы жерге кетти.
26Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.

 

2

 

Мухаддес Руўхтың түсиўи

 

1Елиўинши күни байрамы[7] келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды. 2Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди. 3Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға көринип, бөлинип-бөлинип ҳәр бириниң үстине түсти. 4Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сөйлей баслады.
5Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди. 6Бул сести еситип, көп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири өз тиллеринде айтылған сөзлерди еситкенликтен ҳайран болды. 7Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди:
– Қараңлар, бул сөйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе? 8Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сөйлеп атырғанын еситип турмыз? 9Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда, 10-11Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Өзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине өткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Қудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз өз тиллеримизде еситип турмыз-ғо.
12Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен:
– Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады.
13Ал гейбиреўлери мысқыллап:
– Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести.

 

Петрдиң сөзи

 

14Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сөйледи:
– Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сөзлериме қулақ салыңлар. 15Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо. 16Бирақ бул көрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:

 

17«Қудай былай дейди:
Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман.
Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди.
Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер көреди.
18Сол күнлерде Өзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де,
Өз Руўхымды жаўдыраман,
Олар да пайғамбаршылық етеди.
19Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер,
Төменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер:
қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди көрсетемен.
20Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын,
күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады»[8].

 

22Израиллылар, мына сөзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Қудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Қудай тәрепинен дәлилленген Адам еди. 23Бул Ийса Қудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Қудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңлер. 24Ал Қудай өлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Өйткени Оны өлимниң услап турыўы мүмкин емес еди. 25Ол ҳаққында Даўыт былай деген:

 

«Ийемди ҳәмме ўақыт көз алдымда көрдим,
Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман.
26Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сөйлейди.
Денем де үмит ишинде жасайды.
27Себеби Сен жанымды өлилер мәканына таслап кетпейсең,
Өз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28Маған өмир жолларын үйреттиң,
Мени Өз жаныңда қуўанышқа бөлейсең»[9].

 

29Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол өлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған. 30Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Қудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп өзине ант ишип, ўәде бергенин билди. 31Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын көрип, Масихтың[10] қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди:

 

«Ол өлилер мәканына таслап қалдырылмады,
Денеси де ширимеди».

 

32Қудай усы Ийсаны өлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз. 33Ол Қудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге көтерилип, Әкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир көргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды. 34-35Даўыт аспанға көтерилмеген болса да былай деген еди:

 

«Ийем мениң Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“»[11].

 

36Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Қудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды.
37Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден:
– Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
38Петр оларға былай деди:
– Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип[12], ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар. 39Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Қудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген.
40Петр басқа да көп сөзлер менен оларға гүўалық берип:
– Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп өтиниш етти.
41Оның сөзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды.
42Олар өзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып[13], дуўа ететуғын еди. 43Елшилер арқалы көп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи. 44Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 45Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди. 46Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Қуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды. 47Қудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бөленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.

 

3

 

Петрдиң аяғы ләң адамға шыпа бериўи

 

1Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди. 2Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын көтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди. 3Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды көрип, олардан садақа сорады. 4Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған:
– Бизлерге қара! – деди.
5Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6Петр оған:
– Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған өзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп 7оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди. 8Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Қудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди. 9Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Қудайды алғыслап атырғанын көрип, 10оның Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.

 

Петрдиң Ибадатханадағы сөзи

 

11Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди. 12Буны көрген Петр халыққа қарата былай деди:
– Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер өз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар? 13Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы Өз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер. 14Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам өлтириўшиниң өзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер. 15Сизлер Өмир Ийесин өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз. 16Сизлер көрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң көз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди.
17Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен. 18Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды. 19-20Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди. 21Қудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң өз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек. 22Өйткени Муўса былай деген еди: «Қудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сөзин тыңлаңлар. 23Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Қудайдың халқы арасынан жоқ етиледи»[14].
24Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сөйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди. 25Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Қудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Қудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады»[15]. 26Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Қудай Өзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.

 

4

 

Петр ҳәм Юхан жоқарғы кеңес алдында

 

1Петр менен Юхан халыққа сөйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер[16] олардың жанына топарласып келди. 2Өйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында өлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди. 3Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди. 4Бирақ, елшилердиң сөзин еситкен адамлардың көбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды. 6Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди. 7Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан:
– Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди:
– Халық басшылары ҳәм ақсақаллар! 9Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ, 10онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Қудай өлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай:

 

«Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып,
Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас»[17].

 

12Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Қутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын көргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди. 14Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын көрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады. 15Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап:
16– Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат[18] ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз. 17Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды. 19Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип:
– Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизди тыңлаў Қудай алдында дурыс болар ма екен? 20Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Өйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Қудайға алғыслар айтып турған еди. 22Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.

 

Исениўшилердиң дуўа етиўи

 

23Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың өзлерине айтқан сөзлериниң ҳәммесин хабарлады. 24Олар буны еситкенде, бир аўыздан Қудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди:
– О, Қүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң. 25Өз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң:

 

«Миллетлер неге қозғалаң көтерди?
Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди?
26Жер жүзиниң патшалары бас көтерди,
Ҳүкимдарлар бирге жыйналып,
Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды»[19].

 

27Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды. 28Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи. 29Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сөзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Өз қулларыңа күш-қуўат бере гөр! 30Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди көрсете гөр![20]
31Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Қудайдың сөзин мәртлик пенен айта баслады.

 

Исениўшилердиң аўызбиршилиги

 

32Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән[21] еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 33Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди. 34Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Өйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип, 35елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди. 37Ол өзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.

 

5

 

Ханания ҳәм Сафира

 

1Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып, 2ақшаның бир бөлегин жасырып қалды да, қалған бөлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди.
3Сонда Петр оған былай деди:
– Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бөлегин өзиңе алып қалдың? 4Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Қудайды алдадың-ғо.
5Ханания бул сөзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи. 6Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи.
7Арадан шама менен үш сааттай өткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди. 8Петр оған:
– Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди.
– Аўа, соған, – деди ҳаял.
9Петр оған былай деди:
– Неге Ийемиздиң Руўхын сынап көриўге келистиңлер? Әнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди.
10Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның өлип қалғанын көрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи. 11Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.

 

Елшилердиң көп адамларға шыпа бериўи

 

12Халық арасында елшилер арқалы көп кәраматлы белгилер көрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди. 13Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға көп алғыслар айтатуғын еди. 14Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди. 15Ҳәтте, Петр өтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды көшелерге шығарып, кәтлер ҳәм төсеклердиң үстилерине жатқызып қойды. 16Ерусалимниң дөгерегиндеги қалашалардан да көп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди.

 

Елшилердиң қуўдаланыўы

 

17Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып, 18елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады. 19Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да:
20– Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа өмир туўралы сөзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди.
21Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады.
Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди. 22Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады:
23– Қамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын көрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық.
24Бул сөзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды.
25Сонда олардың қасына бир адам келип:
– Әне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады.
26Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың өзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди.
27Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып:
28– Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер өз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының төгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди.
29Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди:
– Адамларға емес, Қудайға бойсыныў тийис! 30Ата-бабаларымыздың Қудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп өлтирген Ийсаны қайта тирилтти. 31Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Қудай Оны Көсем ҳәм Қутқарыўшы қылып, Өзиниң оң тәрепине көтерди. 32Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Қудайдың Өзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа.
33Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди өлтирмекши болды. 34Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды. 35Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди:
– Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер. 36Себеби буннан бурын өзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған төрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти. 37Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти. 38Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Өйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды. 39Бирақ Қудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Қудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин.
40Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди. 41Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти. 42Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ.

 

6

 

Жети хызметши

 

1Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди. 2Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап:
– Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз[22] дурыс болмас. 3Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық. 4Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5Бул сөз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине өткен антиохиялы Николасты сайлап, 6елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7Солай етип, Қудайдың сөзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны көбейе берди. Руўханийлердиң көбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.

 

Степанның қолға алыныўы

 

8Қудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсететуғын еди. 9Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы»[23] деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады. 10Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сөйлегенликтен, олар қарсы тура алмады. 11Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Қудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди өшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди. 13Олар әкелген жалған гүўалар:
– Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сөйлеп жүр. 14Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин өзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин көрди.

 

7

 

Степанның сөзи

 

1Сонда бас руўханий Степаннан:
– Усы дурыс па? – деп сорады.
2Степан былай деп жуўап берди:
– Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға көшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Қудай оған көринип: 3«Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар»[24], – деген еди.
4Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Әкесиниң өлиминен кейин, Қудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге көширди. 5Деген менен, Қудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Қудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди. 6Және де, Қудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, төрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық көреди. 7Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады»[25]. 8Соңынан Қудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет[26] етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды.
9Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Қудай оның менен бирге болып, 10барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның[27] алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды.
11Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды. 12Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады. 13Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына өзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды. 14Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын өзине шақыртып алды. 15Солай етип, Яқып Мысырға көшип кетти. Оның өзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды. 16Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды.
17Қудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә көбейип қалған еди. 18Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды. 19Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи.
20Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды. 21Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, өз баласындай қылып тәрбиялап өсирди. 22Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сөзинде де, исинде де күшли болды.
23Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде өз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып көриў нийети пайда болды. 24Олардың бирине әдилсизлик исленгенин көрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны өлтирип, зулымлық көрген адам ушын өш алды. 25Ол: «Қудайдың мен арқалы өзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди. 26Ертеңине Муўса төбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып:
– Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди.
27Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип:
– Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? 28Кеше мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең?[28] – деди.
29Бул сөзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды.
30Қырық жыл өткеннен соң, Синай таўының дөгерегиндеги шөлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште көринди. 31Муўса бул көриниске таң қалды. Анықлап көриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң: 32«Мен сениң ата-бабаларыңның Қудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайыман»[29], – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады. 33Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Өйткени сен турған жер мухаддес. 34Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын көрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен»[30].
35Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Қудай оны путада көринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди. 36Мысырда, Қызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шөлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди. 37Израил улларына: «Қудай сизлерге өз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады»[31], – деген де – усы Муўса еди. 38Синай таўында өзине сөйлеген периштениң сөзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шөлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Қудайдың тири сөзлерин алған еди.
39Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды. 40Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз»[32], – деди. 41Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар өз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил көтеристи. 42Сонлықтан Қудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды:

 

«Ҳәй, Израил халқы![33]
Сизлер шөлде қырық жыл бойы,
Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе?
43Өзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды:
Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын
көтерип жүрдиңлер-ғо.
Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан»[34].

 

44Ата-бабаларымыздың шөлде Гүўалық шатыры[35] бар еди. Муўса оны өзине сөйлеген Қудайдың буйырғанындай, көрген үлги бойынша ислеген еди. 45Шатыр әўладтан-әўладқа өтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Қудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны өзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды. 46Қудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Қудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады. 47Бирақ, Қудай ушын үй салған Сулайман болды.
48Деген менен, Қүдиретли Қудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди:

 

49«Аспан – Мениң тахтым,
Жер – аяқ басарым,
Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар?
Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен?
50Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?»[36]

 

51Ҳәй, өжетлер, шын кеўилден Қудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сөзин тыңламайтуғынлар![37] Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар. 52Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да өлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны өлтирдиңлер. 53Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар!

 

Степанның өлтирилиўи

 

54Кеңес ағзалары бул сөзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады. 55Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан көзлерин аспанға тигип, Қудайдың салтанатын ҳәм Қудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны көрди. 56Сонда ол:
– Қараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының[38] Қудайдың оң тәрепинде турғанын көрип турман, – деди.
57Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да, 58оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар өз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
59Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти. 60Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.

 

8

 

Ерусалим жәмәәтиниң қуўдаланыўы

 

1Степанның өлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң өзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти. 2Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады. 3Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.

 

Филип Самарияда

 

4Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Қудайдың сөзин жәриялап жүрди. 5Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады. 6Филиптиң сөзин еситкен ҳәм ол көрсеткен кәраматлы белгилерди көрген халық оның сөзлерин дыққат пенен тыңлады. 7Өйткени жин урған көп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, көплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди. 8Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бөленди.

 

Сыйқыршы Симон

 

9Сол қалада көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм өзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди. 10Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Қудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди. 11Симон оларды көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди. 12Бирақ олар Қудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сөзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды. 13Симонның өзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Көрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды көрип, ол таң қалды.
14Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди. 15Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти. 16Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди. 17Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды.
18Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин көрген Симон оларға ақша усынып:
19– Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди.
20Бирақ Петр оған былай деди:
– Қудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң өзиң менен бирге қурып кетсин. 21Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Өйткени кеўлиң Қудай алдында ҳақ емес. 22Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер. 23Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди көрип турман.
24Симон жуўап берип:
– Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди.
25Петр менен Юхан Ийемиздиң сөзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның көп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты.

 

Филип ҳәм эфиопиялы ўәзир

 

26Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди:
– Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шөл жолына бар.
27Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта[39] сыйыныў ушын Ерусалимге барып, 28сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди. 29Мухаддес Руўх Филипке:
– Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
30Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип:
– Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады. 31Эфиопиялы:
– Биреў маған жол-жорық көрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды өтиниш етти. 32Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди:

 

«Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды,
Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса,
Ол да солай аўзын ашпады.
33Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды.
Оның урпақларын ким тилге алады?
Өйткени Оның бул дүньядағы өмири таўсылды»[40].

 

34Ўәзир Филиптен:
– Өтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Өзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады.
35Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди.
36-37Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди.
– Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир.[41]
38Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды. 39Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып көрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти. 40Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.

 

9

 

Саулдың тәўбе етиўи

 

1Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, 2Дамасктағы мәжилисханаларға[42] хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. 3Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. 4Саул жерге жығылып:
– Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти.
5Саул:
– Сен кимсең, Ийем? – деп сорады.
– Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 6Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди. 8Саул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды. 9Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
10Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип:
– Ханания, – деди.
– Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол.
11Ийемиз оған:
– Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. 12Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, – деди.
13Ханания жуўап берип:
– Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе[43] қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим. 14Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15Ийемиз оған:
– Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. 16Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, – деди.
17Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып:
– Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып[44], Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм 19аўқат жеп, күшке енди.

 

Саул Дамаскта ҳәм Ерусалимде

 

Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды. 20Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады. 21Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23Арадан көп күнлер өткенде, яҳудийлер Саулды өлтириўге тил бириктирди. 24Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны өлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды. 25Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди. 27Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай көргенин, Ийемиздиң оның менен сөйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди. 28Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди. 29Ол грекше сөйлейтуғын яҳудийлер менен сөйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды өлтириўге ҳәрекет етти. 30Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны өсе берди.

 

Петрдиң ләң болған адамға шыпа бериўи

 

32Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди көриўге келди. 33Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери төсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды көрди. 34Петр оған:
– Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, төсегиңди жыйна, – деди.
Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды. 35Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны көрип, Ийемиздиң жолына түсти[45].

 

Петрдиң Тавитаны тирилтиўи

 

36Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди. 37Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бөлмеге қойды. 38Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп өтиниш етти.
39Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бөлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың өзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен көйлеклерин оған көрсетти.
40Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан өлиге бурылып:
– Тавита, орныңнан тур! – деди.
Ҳаял көзлерин ашты да, Петрди көрип, тикейип отырды. 41Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға көрсетти. 42Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, көп адамлар Ийемизге исенди. 43Петр көп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.

 

10

 

Римли жүзбасы Корнелий

 

1Кесарияда «Италиян» деген әскерий бөлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди. 2Ол пүткил шаңарағы менен Қудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа көп жәрдем берип, Қудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди. 3Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Қудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық көрди.
4Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол көзлерин периштеге тикти де:
– Неўе, Ийем? – деди.
Периште оған жуўап берип:
– Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Қудайға жетип барды. Қудай оларды есте сақлады. 5Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт. 6Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди.
7Өзи менен сөйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм өз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды. 8Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди.

 

Петр көрген аян

 

9Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның төбесине шықты. 10Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти. 11Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң төрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын көрди. 12Оның ишинде ҳәр түрли төрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди. 13Бир даўыс оған:
– Петр, тур. Сойып же, – деди.
14– Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр.
15Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге:
– Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди.
16Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға көтерилип кетти.
17Көрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды. 18Олар даўыслап:
– Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады.
19Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған:
– Әне, үш адам сени излеп жүр. 20Қәне, орныңнан турып, төменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди.
21Петр төменге түсип, адамларға:
– Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Қандай жумыс пенен келдиңлер? – деди.
22Олар Петрге:
– Корнелий деген ҳақ ҳәм Қудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сөзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди.
23Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды.

 

Петр Корнелийдиң үйинде

 

Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти. 24Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди. 25Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды. 26Бирақ Петр оны турғызып:
– Тур, мен де адамман-ғо, – деди.
27Петр Корнелий менен сөйлесип ишке киргенде, көп адамлардың жыйналып отырғанын көрип, 28оларға былай деди:
– Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Қудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин көрсеткен еди. 29Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма?
30Корнелий былай деди:
– Төрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып, 31маған: «Корнелий! Қудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады. 32Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди. 33Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Қудай алдында отырмыз.
34-35Сонда Петр былай деп сөзин баслады:
– Қудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Өзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман. 36Қудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси. 37Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар: 38Қудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Өйткени Қудай Оның менен бирге еди. 39Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирген еди. 40Бирақ Қудай Ийсаны үшинши күни өлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға көриниўине жол қойды. 41Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Қудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, өлимнен қайта тирилгеннен кейин Өзи менен бирге ишип-жегенлерге көринди. 42Ол Өзиниң Қудай тәрепинен тирилерди ҳәм өлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды. 43Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди.
44Петр еле усы сөзлерди сөйлеп турғанда, Қудайдың сөзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти. 45Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер[46] Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты. 46Себеби олардың басқа тиллерде сөйлеп, Қудайды алғыслап турғанын еситти.
Сонда Петр:
47– Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди.
48Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын өтиниш етти.

 

11

 

Петрдиң болған ўақыяны түсиндириўи

 

1Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситти. 2Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап:
3– Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди.
4Сонда Петр сөз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди:
5– Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян көрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе төрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди. 6Көзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы төрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын көрдим. 7Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим. 8«Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим. 9Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди.
10Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды. 11Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди. 12Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық. 13Ол бизлерге қалайынша бир периштени көргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, өзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. 14Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сөзлерди айтады», – депти. 15Мен сөйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти. 16Сонда Ийемиздиң мына сөзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар». 17Солай етип, Қудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Қудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан?
18Бул сөзлерди еситип, олар тынышланды. Қудайды алғыслап былай деди:
– Демек, Қудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик өмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти.

 

Антиохиядағы исениўшилердиң жәмәәти

 

19Степан өлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Қудайдың сөзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди. 20Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди. 21Ийемиздиң қүдирети[47] олар менен бирге болғанлықтан, көп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти. 22Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди. 23Барнаба сол жерге келгенде, Қудайдың мийримин көрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди. 24Өйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, көп адамлар Ийемизге алып келинди. 25Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти. 26Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, көп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар[48] деп аталды. 27Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди. 28Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның[49] заманында болды. 29Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти. 30Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.

 

12

 

Петрдиң қамақтан азат етилиўи

 

1Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды. 2Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен өлтиртти. 3Буның яҳудий басшыларына жаққанын көрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы[50] күнлери еди. 4Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири төрт әскерден ибарат болған төрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Қутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди.
5Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Қудайға бар жигери менен дуўа етти.
6Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Қапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди. 7Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти.
Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да:
– Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти. 8Периште оған:
– Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған:
– Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди.
9Петр қамақхана бөлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян көрип турман, деп ойлады. 10Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан өтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға өз-өзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир көше өткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды.
11Сонда өзине келген Петр: «Ийемиздиң Өз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди.
12Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде көп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди. 13Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди. 14Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди.
15«Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сөзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди.
16Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны көргенде ҳайран қалысты. 17Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап көрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти.
18Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты. 19Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды өлтириўди буйырды.

 

Ҳирод патшаның өлими

 

Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды. 20Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар өз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси[51] Бластусты өз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Өйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди.
21Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сөз сөйледи. 22Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты. 23Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Қудайға бериў керек болған даңқты өзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды.
24Ал Қудайдың сөзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди.
25Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды өзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.

 

13

 

Барнаба менен Саулдың хызметке жиберилиўи

 

1Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул. 2Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер». 3Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды[52] ҳәм оларды жолға шығарып салды.

 

Кипр атаўында

 

4Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип өтти. 5Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында[53] Қудайдың сөзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди.
6Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып өтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты. 7Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгөйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Қудайдың сөзин тыңламақшы болды. 8Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық көрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты. 9Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел көзлерин Елимасқа тигип:
10– Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па? 11Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын көтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын көре алмайтуғын боласаң, – деди.
Сол ўақытта-ақ оның көзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап өзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады. 12Ҳәким болған ўақыяны көрип, исенди. Өйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди.

 

Писидияның Антиохия қаласында

 

13Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти. 14Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни[54] мәжилисханаға кирип отырды. 15Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сөзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди.
16Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди:
– Ҳәй, израиллылар ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар! 17Бул Израил халқының Қудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Өзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты. 18Шөлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады. 19Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Өз халқына мийрас етип берди. 20Булардың ҳәммеси төрт жүз елиў жылдай даўам етти.
Соңынан Қудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди. 21Буннан кейин халық патша сорағанда, Қудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти. 22Қудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Қудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды»[55].
23Қудай Өз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Қутқарыўшысы Ийсаны шығарды. 24Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады. 25Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих[56] емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен».
26Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сөзлери бизлерге жиберилген. 27Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сөзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сөзлерин әмелге асырды. 28Оннан өлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны өлтириўди сорады. 29Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды. 30Бирақ, Қудай Оны өлимнен тирилтти. 31Ийса Өзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге көп күнлер даўамында көринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды.
32Бизлер де сизлерге Қудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз. 33Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған:

 

«Сен Мениң Улымсаң,
Бүгин Мен Саған Әке болдым»[57].

 

34Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, өлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Қудай былай деген:

 

«Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен
мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен»[58].

 

35Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген:

 

«Өз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң»[59].

 

36Даўыт өз заманында Қудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң көз жумып, өз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти. 37Бирақ, Қудай тирилткен Адамның денеси ширимеди. 38Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр. 39Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады. 40Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сөзлери басыңызға түспесин:

 

41«Қараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер,
Таң қалысып, набыт болыңлар!
Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен,
Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер»[60].

 

42Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын өтиниш етти. 43Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине өткен Қудайға сыйынатуғынлардың көбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сөйлесип, Қудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти.
44Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Қудайдың сөзин тыңлаў ушын жыйналды. 45Бирақ яҳудийлер сонша халықты көрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сөзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти.
46Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди:
– Қудайдың сөзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм өзлериңизди мәңгилик өмирге ылайықлы көрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз. 47Өйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди:

 

«Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын,
Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым»[61].

 

48Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сөзин алғыслады. Мәңгилик өмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди. 49Солай етип, Ийемиздиң сөзи пүткил үлке бойлап жайылды. 50Бирақ яҳудийлер Қудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди. 51Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти. 52Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди.

 

14

 

Иконияда

 

1Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де көп адам исенди. 2Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы өшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады. 3Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Қудайдың сөзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрсетип, Өз мийрими ҳаққында сөзлерди тастыйықлады. 4Қала халқы екиге бөлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине өтти. 5Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары өз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды. 6Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып, 7сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти.

 

Листра ҳәм Дербеде

 

8Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди. 9Бул адам Павелдиң сөзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин көрди де, 10қатты даўыслап:
– Аяқларыңда тик тур, – деди.
Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
11Халық Павелдиң ислеген исин көргенде, ликаония тилинде:
– Қудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты.
12Олар Барнабаны Зевс, Павелди сөз сөйлегени ушын Гермес деп атады. 13Қаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына өгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды.
14Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, көпшиликтиң арасына өзлерин урды да, былай деп бақырды:
15– Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Қудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз. 16Қудай өткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди өз өмир жоллары менен жүриўге қалдырды. 17Соған қарамастан, Өзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады.
18Усы сөзлер менен, олар өзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде көндирди.
19Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны өлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады. 20Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел өзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти.

 

Сирия Антиохиясына қайтыў

 

21Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, көп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди. 22Жол-жөнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Қудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, көп қыйыншылықлардан өтиўимиз тийис», – деди. 23Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды өзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды.
24Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы өтип, Памфилия үлкесине келди. 25Пергияда Қудайдың сөзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти. 26Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар өзлерине тапсырылған ис ушын өзлерин Қудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады. 27Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Қудайдың өзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди. 28Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.

 

15

 

Ерусалимдеги қурылтай

 

1Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады. 2Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды. 3Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен өтти. Жол-жөнекей басқа миллетлердиң Ийемиздиң жолына түскенин[62] айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады. 4Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Қудайдың өзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин оларға билдирди.
5Бирақ, парисейлер[63] арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып:
– Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди.
6Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды. 7Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди:
– Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Қудай көп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер. 8Адамның кеўлин билетуғын Қудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин көрсетти. 9Қудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады. 10Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, өзлеримиз де көтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Қудайды сынап атырсызлар? 11Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де өзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз.
12Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар өзлери арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында көрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди. 13Олар сөзлерин таўысқаннан соң, Яқып сөз баслап былай деди:
– Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар! 14Басқа миллетлерден Өзине тийисли[64] бир халық шығарыў ушын, Қудай оларға дәслеп қалай мийримлилик көрсеткенин Симон Петр баян еткен еди. 15Пайғамбарлардың сөзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған:

 

16«Буннан кейин Мен қайтып келип,
Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман.
Қыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен.
17Солай етип, қалған адамлар
ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер
Ийесин – Мени излеп тапсын.
18Буларды әййемнен билдирген Ийемиз
усылай дейди»[65].

 

19Сонлықтан, мениң пикиримше, Қудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек. 20Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гөшинен, бузықшылықтан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис. 21Өйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр дем алыс күни мәжилисханаларда[66] оқылмақта.

 

Басқа миллетлерден болған исениўшилерге хат

 

22Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар өзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсаба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди. 23Олар арқалы мына хатты жазып жиберди:
«Ҳүрметли туўысқанларымыз!
Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем!
24Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм өз сөзлери менен сизлерди тәшиўишке салып, ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик. 25Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирликте сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық. 26Булар екеўи Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын өмирлерин бағышлаған адамлар. 27Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди. 28Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған бул қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық: 29сизлер бутларға сойылған қурбанлық гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!»
30Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды. 31Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил көтериўши сөзлерге қуўанды. 32Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға көп сөзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди. 33Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды. [ [67]34]
35Ал Павел менен Барнаба Антиохияда болды. Олар көплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сөзин үйретип, жәриялап жүрди.

 

Павелдиң екинши сапары

 

36Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға:
– Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сөзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын көрейик, – деди.
37Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды. 38Бирақ Павел Памфилияда өзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты өзлери менен бирге алып жүриўди мақул көрмеди. 39Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бөлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрға кетти. 40Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты. 41Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди.

 

16

 

Тимофейдиң Павел менен Силаға қосылыўы

 

1Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди. 2Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди. 3Тимофейди өзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Өйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди. 4Олар қаладан-қалаға өтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды. 5Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди.

 

Павелдиң Македонияға шақырылыўы

 

6Қудайдың сөзин Азия үлкесинде[68] жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди. 7Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди. 8Сонлықтан олар Мисиядан өтип, Троас қаласына келди. 9Сол күни түнде Павел аян көрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп өтинди. 10Павел бул аянды көргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Қудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик.

 

Павел Филип қаласында

 

11Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық. 12Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық.
13Бизлер бул жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлап, дем алыс күни[69] қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сөйлей басладық. 14Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, қымбат баҳалы гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Қудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сөзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты. 15Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди көндирди.

 

Павел менен Сила қамақта

 

16Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди. 17Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип:
– Бул адамлар – Қүдиретли Қудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.
18Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа:
– Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди.
Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
19Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. 20Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып:
– Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте. 21Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести.
22Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. 23Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды. 24Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бөлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.
25Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. 26Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти. 27Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. 28Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып:
– Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.
29Қамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды. 30Оларды сыртқа шығарып:
– Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
31Олар:
– Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.
32Соңынан олар оның өзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сөзин айтты. 33Қамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў өзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды. 34Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Қудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.
35Таң атқанда, ҳәкимлер: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады. 36Қамақхана хызметкери бул сөзлерди Павелге хабарлап:
– Ҳәкимлер сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.
37Бирақ Павел сақшыларға былай деди:
– Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди өзлери келип шығарсын!
38Сақшылар бул сөзлерди ҳәкимлерге жеткизип барды. Ҳәкимлер Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти. 39Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин өтинди. 40Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды көрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.

 

17

 

Салоникада

 

1Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан өтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди. 2Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте[70] олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады. 3Масихтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де:
– Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол.
4Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Қудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм көплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.
5Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди. 6Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып:
– Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти. 7Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Қайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.
8Бул сөзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды. 9Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.

 

Верияда

 

10Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди. 11Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Қудайдың сөзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сөзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди. 12Солай етип, яҳудийлердиң көбиси ҳәм көплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди.
13Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Қудайдың сөзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды. 14Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды. 15Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.

 

Афинада

 

16Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин көргенде, қатты қапа болып ашыўланды. 17Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Қудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди. 18Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының[71] гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Өйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди. 19Олар Павелди Ареопаг кеңесине[72] алып келип, оған:
– Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма? 20Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди.
21Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен өткизетуғын еди.
22Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди:
– Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди көрип турман. 23Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды көзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да көрдим. Енди өзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Қудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан.
24Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Қудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды. 25Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Өйткени ҳәмме адамларға өмир, дем ҳәм барлықты Оның Өзи береди. 26Қудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген. 27Буны Қудай Өзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес. 28Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз.
29Бизлер енди Қудайдың урпағы болғанымыз себепли, Қудай адамның өнери ҳәм ақыл-ойы менен дөретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар. 30Өткен наданлық дәўирлерде Қудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта. 31Өйткени Ол бул дүньяны Өзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды өлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи.
32Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди. 33Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти. 34Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.

 

18

 

Коринф қаласында

 

1Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди. 2Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да, 3кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди. 4Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти.
5Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел өзин Қудайдың сөзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады. 6Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып[73], оларға былай деди:
– Өз обалыңыз өзиңизге![74] Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен.
7Павел сол жерден шығып, Қудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди. 8Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң көбиси де исенип, суўға шомылдырылды.
9Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян көрсетип: «Қорқпа, үнсиз қалмай, сөйлей бер! 10Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Өйткени бул қалада Мениң адамларым көп», – деди. 11Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Қудайдың сөзин үйретиўин даўам етти.
12Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып:
13– Мына адам халықты үгитлеп, Қудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди.
14Павел енди сөзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди:
– Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим. 15Бирақ, сөзлерге, атларға ҳәм өзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, өзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди.
16Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди. 17Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ.

 

Павелдиң Антиохияға қайтыўы

 

18Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Қудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады. 19Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, өзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады. 20Олар көбирек ўақыт қалыўын өтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди. 21Бирақ олар менен хошласып атырып:
– Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди.
Соңынан кеме менен Ефестен жөнеп кетти.
22Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды. 23Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди.

 

Аполостың хызмети

 

24Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сөзге шешен адам еди. 25Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сөйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди. 26Аполос мәжилисханада батыллық пенен сөйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Қудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди.
27Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Қудайдың мийрими менен исенгенлерге көп жәрдем берди. 28Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.

 

19

 

Павел Ефес қаласында

 

1Аполос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден өтип, Ефеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып, 2олардан:
– Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады.
– Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик де, – деп жуўап берди олар.
3– Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел.
– Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық, – деди олар.
4Павел былай деди:
– Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға өзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди.
5Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды. 6Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар басқа тиллерде сөйлеп, Қудайдың сөзлерин айта баслады[75]. 7Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди.
8Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Қудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сөйледи. 9Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди өзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде[76] тәлим бериўин даўам етти. 10Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сөзин еситти.

 

Скеваның жети улы

 

11Қудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи. 12Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди.
13Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди. 14Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди. 15Бирақ жаўыз руўх оларға:
– Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де, 16жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти.
17Бул хабар Ефесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи. 18Исенгенлердиң көбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады. 19Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын көп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң көз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың драхма[77] болды. 20Солай етип, Ийемиздиң сөзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды.
21Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен өтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де көриўим керек», – деди ол. 22Сонлықтан өзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Ерастусты Македонияға жиберди.

 

Ефестеги көтерилис

 

23Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли көтерилис пайда болды. 24Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, өз өнерментшилерине көп пайда келтиретуғын еди. 25Димитрий өз өнерментшилери менен өзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди:
– Дослар, усы кәсибимиз арқалы көп пайда алатуғынымызды билесизлер. 26Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Ефесте емес, ал пүткил Азияда көп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын көрип ҳәм еситип атырсызлар. 27Бул бизлердиң өнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар.
28Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады. 29Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, ҳәммеси бирликте тамаша майданына қарай умтылды. 30Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады. 31Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында көринбеўин өтинди.
32Жыйналғанлардың бири анаў, бири мынаў деп бақырысып, жыйналыс бийтәртип болды. Көбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди. 33Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, өзин халық алдында қорғамақшы болды. 34Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды.
35Қала хаткери халықты тынышландырып былай деди:
– Ефеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Ефес қаласы екенин ким билмейди? 36Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек. 37Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген. 38Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның өнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар[78] да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин. 39Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис. 40Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ.
Ол усы сөзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди.

 

20

 

Павел Македония менен Грецияда

 

1Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты. 2Ол жол-жөнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди көп сөзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди. 3Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер өзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти. 4Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти. 5Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды. 6Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.

 

Павелдиң Евтихты тирилтиўи

 

7Ҳәптениң биринши күни[79] нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сөз сөйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды. 8Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бөлмеде көп шыралар жанып турған еди. 9Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сөзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден көтерип алғанда, ол өлип қалған еди. 10Павел төменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен көтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди. 11Соңынан жоқарыға көтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша көп сөйлескеннен соң, жолға шықты. 12Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.

 

Троастан Милитке сапар

 

13Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Өйткени оның өзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди. 14Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық. 15Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық. 16Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай өтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.

 

Павелдиң ефесли ақсақаллар менен хошласқанда сөйлеген сөзи

 

17Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты. 18Олар жанына келгенде, Павел былай деди:
– Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер. 19Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан өткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын көз жасларымды төгип хызмет еттим. 20Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым. 21Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен. 23Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр. 24Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25Мен араңызда жүрип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып көрмейтуғынын билемен. 26Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен[80]. 27Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым. 28Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көз-қулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар! 29Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. 30Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады. 31Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди. 33Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим. 34Өзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер. 35Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим.
36Павел усы сөзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти. 37Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди. 38Әсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып көрмейсиз», – деген сөзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.

 

21

 

Павелдиң Ерусалимге қарай жолға шығыўы

 

1Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик. 2Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик. 3Кипр көрингенде, оның қубла тәрепинен өтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық. 4Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды өтинди. 5Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик. 6Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты.
7Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен көрисип, олардың жанында бир күн қалдық. 8Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық. 9Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын[81], турмысқа шықпаған төрт қызы бар еди.
10Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди. 11Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен өзиниң аяқ-қолларын байлап:
– Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди.
12Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик. 13Сонда Павел былай деп жуўап берди:
– Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал өлиўге де таярман.
14Павелди көндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик.
15Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик. 16Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық.

 

Павел Ерусалимде

 

17Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды. 18Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты көриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди. 19Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, өз хызмети арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди.
20Олар буны еситип, Қудайды алғыслады да, Павелге былай деди:
– Туўысқанымыз Павел! Өзиң көрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши көп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы. 21Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең. 22Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди. 23Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Қудай алдында ант ишкен төрт адам бар. 24Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен өт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен төле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин. 25Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик.
26Келеси күни Павел жанына сол төрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен өтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди.

 

Павелдиң қолға алыныўы

 

27Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада көрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып:
28– Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты.
29Өйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге көргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди.
30Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды. 31Олар Павелди өлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң көтерди!» – деген хабар жетип барды. 32Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди көргенде, Павелди урыўды тоқтатты.
33Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан:
– Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады.
34Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жөнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бөлимге алып кетиўди буйырды. 35Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны көтерип жүриўге мәжбүр болды. 36Халық оның изинен:
– Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди.

 

Павелдиң өзин ақлаўы

 

37Әскерий бөлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға:
– Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди.
Мыңбасы:
– Сен грекше билесең бе? 38Демек, сен буннан бурын қозғалаң көтерип, төрт мың қозғалаңшыны шөлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди.
39Павел:
– Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден өтиниш, халыққа сөз сөйлеўге рухсат етиң, – деди.
40Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сөйлей баслады.

 

22

 

1– Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, өзимди ақлаўшы сөзлеримди тыңлаңлар!
2Павелдиң өзлерине еврейше сөйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти:
3– Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында өстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Қудайға инталы хызмет еттим. 4Ийсаның жолы менен жүриўшилерди өлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым. 5Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сөзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди.
6Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди. 7Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим.
8«Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди. 9Мениң жанымдағылар нурды көрсе де, мениң менен Сөйлескенниң сөзлерин түсинбеди.
10«Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди. 11Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан көзлерим көрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды.
12Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди. 13Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Көзлериң көрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ көзлерим ашылып, оны көрдим.
14Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Қудайы Өзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды көрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады. 15Себеби сен көргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң. 16Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
17Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди көрдим. 18Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Өйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди.
19Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи. 20Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны төгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым».
21Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди.

 

Рим пуқарасы Павел

 

22Адамлар Павелди усы сөзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сөзлерди еситкенде:
– Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады.
23Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң көтерип турғанда, 24мыңбасы Павелди әскерий бөлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды. 25Қолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға:
– Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди.
26Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де:
– Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди.
27Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип:
– Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады.
– Аўа, – деди Павел.
28– Мен бул пуқаралыққа көп ақша менен еристим, – деди мыңбасы.
– Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел.
29Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти.

 

Павел жоқарғы кеңес алдында

 

30Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.

 

23

 

1Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып:
– Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Қудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде, 2бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды. 3Сонда Павел оған:
– Ҳәй, еки жүзли![82] Сени Қудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди.
4Павелдиң қасында турғанлар:
– Қудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди.
5Павел былай деди:
– Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Өз халқыңның басшысына жаман сөз айтпа»[83], – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо.
6Сонда олардың бир бөлегиниң саддукейлер, басқа бөлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен:
– Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен өлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди.
7Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бөлинди. 8Өйткени саддукейлер өлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады. 9Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып:
– Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сөйлеген болса ше? – деп қызып сөйледи.
10Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге төменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бөлимге апарыўды буйырды. 11Сол түни Ийемиз Павелге көринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди.

 

Павелди өлтириў ушын тил бириктириў

 

12Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп өз ара ант ишти. 13Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди. 14Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди:
– «Павелди өлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик. 15Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, өзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып көрсетип, оны сизлерге алып келиўин өтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны өлтириўге таяр турамыз.
16Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бөлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди. 17Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып:
– Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди.
18Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де:
– Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды өтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди.
19Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып:
– Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады.
20Жигит былай деп жуўап берди:
– Яҳудийлер өз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден өтиниш етпекши. 21Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты.
22Мыңбасы жигитке:
– Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди.

 

Павелдиң Кесарияға алып барылыўы

 

23Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди:
– Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар. 24Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер.
25Соңынан мыңбасы төмендеги хатты жазды:
26«Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем!
27Яҳудийлер бул адамды услап алып өлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым. 28Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым. 29Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ. 30Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым».
31Солай етип, әскерлер өзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды. 32Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, өзлери әскерий бөлимге қайтып келди. 33Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды. 34Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған: 35«Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды.

 

24

 

Павел ҳәким Феликс алдында

 

1Арадан бес күн өткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады. 2Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады:
– Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти көре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта. 3Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз. 4Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сөзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
5Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң көтериўши ҳәм «Насыралылар»[84] деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық. 6-7Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық [85]. 8Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин өзинен билип аласыз.
9Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
10Ҳәким Павелдиң сөйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди:
– Сизиң көп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, өзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман. 11Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен көп болмағанын өзиңиз билип алыўыңызға болады. 12Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди көрмеди. 13Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды. 14Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Қудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен. 15Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Қудайдан үмит етемен. 16Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
17Миллетиме қайыр-садақа, Қудайға қурбанлықлар бериў ушын, көп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим. 18Мен тазаланыў рәсиминен өтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада көрди. Сонда мениң қасымда көп адам да, шаўқым да болған жоқ. 19Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек. 20Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын. 21Мен тек олардың алдында турғанымда: «Өлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
22Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен:
– Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды.
23Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды.

 

Павелдиң Кесарияда тутқын болыўы

 

24Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады. 25Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип:
– Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди. 26Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
27Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.

 

25

 

Павел Фесттиң алдында

 

1Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн өткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды. 2Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады. 3Мийримлилик көрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал өзлери Павелди жолда өлтирмекши болып, тил бириктирген еди. 4Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм өзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да:
5– Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди.
6Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды. 7Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған өзлери дәлиллеп бере алмайтуғын көп аўыр айыплар тақты.
8Павел өзин ақлап:
– Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Қайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди.
9Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге:
– Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди.
10Павел былай деди:
– Мен Қайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз. 11Егер мен айыплы болсам ҳәм өлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, өлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Қайсардың ҳүкимин талап етемен.
12Сонда Фест кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң:
– Сен Қайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Қайсарға барасаң, – деп жуўап берди.

 

Павел Агриппа патшаның алдында

 

13Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди. 14Олар сол жерде көп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди:
– Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар. 15Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди.
16Мен оларға: «Айыпланыўшы өз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан өзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим. 17Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым. 18Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады. 19Тек олардың өз дини ҳәм бир Ийса атлы өлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен. 20Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым. 21Бирақ ол өз исин Қайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Қайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым.
22Сонда Агриппа Фестке:
– Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди.
– Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест.
23Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди. 24Фест былай деди:
– Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды көрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди. 25Бирақ мен оның өлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның өзи Қайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Қайсарға жибериўге қарар еттим. 26Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым. 27Өйткени тутқынды Қайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.

 

26

 

Павелдиң өзин ақлаўы

 

1Агриппа Павелге:
– Өзиңди ақлап сөйлеўиңе рухсат бериледи, – деди.
Сонда Павел қолын көтерип ишарат етти де, өзин ақлап сөйлей баслады:
2– Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин өзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман. 3Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
4Дәслеп өз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай өмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи. 5Олар мени көп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады. 6Енди болса, Қудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман. 7Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Қудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта. 8Қудайдың өлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар?
9Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим. 10Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң көбисин қамаққа салдырдым. Оларға өлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим. 11Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым.
12Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым. 13О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур көрдим. 14Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сөйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Қудайға қарсы турсаң[86], өзиңе зыян болады».
15«Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 16Қәне, тикейип, орныңнан тур! Мени көргениң ҳәм Мениң саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Өз хызметиме тайынлаў ушын саған көриндим. Сен көргенлериң ҳәм саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең. 17Мен сени өз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман. 18Басқа миллетлердиң көзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Қудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
19Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым. 20Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим. 21Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, өлтирмекши болғанының себеби усы. 22Бирақ бүгинги күнге дейин маған Қудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес. 23Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып өлимнен тирилетуғынын, Өз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди.
24Павел усы тәризде өзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен:
– Павел, сениң есиң дурыс емес! Көп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди.
25Павел былай деди:
– Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сөзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай. 26Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сөйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Өйткени бул бир шетте болған жоқ. 27Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сөзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз.
28Сонда Агриппа Павелге:
– Мени аз-маз ўақыттың ишинде көндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди.
29– Аз болсын, көп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Қудайдан тилеймен, – деди Павел.
30Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды. 31Олар сыртқа шығып, өз ара: «Бул адам өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести.
32Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Қайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди.

 

27

 

Павелдиң Римге қарай жолға шығыўы

 

1Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август[87] әскерий бөлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды. 2Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди.
3Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның өз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти. 4Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик. 5Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден өтип, Ликияның Мира қаласына келдик. 6Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди. 7Көп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан өттик. 8Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гөззал жағыс» деген жерге келдик.
9Бизлер көп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери[88] де өтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип:
10– Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын көрип турман, – деди.
11Бирақ жүзбасы Павелдиң сөзлеринен гөре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сөзине қулақ асты. 12Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң көбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде өткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди.

 

Теңиздеги даўыл

 

13Қубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар өз мақсетимизге жеттик деп ойлап, көшкини көтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти. 14Бирақ көп өтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди. 15Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик. 16«Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик. 17Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди. 18Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады. 19Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да өз қоллары менен теңизге ылақтырды. 20Көп күн бойы қуяш та, жулдызлар да көринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик.
21Адамлар көп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди:
– Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик. 22Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды. 23Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Қудайдың бир периштеси өткен түни жаныма келип, 24былай деди: «Қорқпа Павел! Сен Рим патшасы-Қайсардың алдына барыўың тийис. Және Қудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады». 25Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Қудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады. 26Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис.

 

Кемениң апатқа ушыраўы

 

27Даўылдың басланғанына он төрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде[89] ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады. 28Сонда олар теңиздиң тереңлигин өлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және өлшеп көргенде, он бес қулаш екенин көрди. 29Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен төрт көшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти. 30Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен көшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады. 31Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге:
– Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди.
32Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди.
33Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп:
– Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он төрт күн болды. 34Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды өтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди.
35Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Қудайға шүкирлик билдирип, нанды бөлип жей баслады. 36Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди. 37Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик. 38Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге төгип, кемени жеңиллетти.
39Таң атқанда, кемешилер өзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты көрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды. 40Көшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке көтерип, жағаға қарай жүзип кетти. 41Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти.
42Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды өлтирмекши болды. 43Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып өзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды. 44Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бөлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.

 

28

 

Мальтада

 

1Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик. 2Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик көрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти. 3Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты. 4Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын көрип, бир-бирине:
– Бул адам, сөзсиз, адам өлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы[90] оның тири қалыўына жол қоймады, – дести.
5Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян көрмеди. 6Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден өлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин көргенде, пикирлерин өзгертип: «Ол бир қудай», – дести.
7Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды. 8Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы көтерилип, иши өтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди. 9Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди. 10Олар бизлерге көп ҳүрмет көрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи.

 

Павелдиң Римге жетип барыўы

 

11Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар»[91] деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық. 12Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық. 13Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық. 14Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың өтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик. 15Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы[92] ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды көргенде Қудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды. 16Римге келгенимизде, Павелге өзин қараўыллайтуғын әскер менен өз алдына жасаўға рухсат етилди.

 

Павелдиң Римде ўаз айтыўы

 

17Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди:
– Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым. 18Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Өйткени маған өлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди. 19Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасы-Қайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен өз халқымды айыпламақшы болып ислемедим. 20Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сөйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман.
21Олар Павелге:
– Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген өзимиздиң адамлардың[93] ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады. 22Бирақ бизлер сениң пикириңди өзиңнен еситиўди қәлеймиз. Өйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди.
23Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни көп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Қудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти. 24Айырымлары Павелдиң сөзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды. 25Өз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сөзлерин айтып турғанда олар кете баслады:
– Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сөйлеп, дурыс айтқан:
26«Бул халыққа барып, мыналарды айт:

 

Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер,
Қарайсызлар, бирақ ҳеш көрмейсизлер.
27Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып,
қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған.
Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди,
қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди.
Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим»[94].

 

28-29Мынаны билип қойыңлар: Қудай Өзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады. [95]
30Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, өзин көриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти. 31Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Қудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди.

 

 

 

 

Яқыптың хаты

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хат Яқып тәрепинен жазылған болып, ол Жаңа Келисимдеги ең биринши китаплардың бири.
Яқып бул хатты қуўдалаўлар себепли тарқалып кеткен исениўшилерди жигерлендирип, оларға жубаныш бериў ушын жазған еди.
Хаттағы баслы тема – исенимди ислер арқалы көрсетиўден ибарат. Хатта ҳәр қандай сынаўларды қуўаныш пенен қабыл етиў кереклиги ҳаққында ҳәм еки жүзлиликтен қашып, ҳәмме нәрседе ҳадал болыў кереклиги ҳаққында сөз етиледи. Және де, исениўши дуўа еткенде, Қудайдың сөзине бойсынғанда, барлық ислерде, тилди тыйыўда ҳ. т. б. нәрселерде ҳадал болыўы ҳәм өмирдиң ҳәмме тараўларында өзин масихый қылып көрсетиўи кереклиги ҳаққында айтылады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Мен, Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың[1] қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Қудайдың халқына[2] сәлем!

 

Сынаў ҳәм азғырыў

 

2Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. 3Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. 4Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер. 5Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди. 6Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Өйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. 7-8Өзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын.
9Төмен жасайтуғын туўысқан Қудайдың өзине берген мәртебеси менен мақтансын. 10Ал бай туўысқан өз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады. 11Қуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шөпти қуўратып таслайды. Оның гүли төгилип, көркиниң гөззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай өз ислери менен солып жоқ болады.
12Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады.
13Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Қудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Өзи де ҳеш кимди азғырмайды. 14Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады. 15Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, өлимди туўады.
16Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар! 17Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ. 18Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Өз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сөзи менен өмирге еристирди.

 

Тыңлаў ҳәм орынлаў

 

19Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сөйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын. 20Өйткени адамның ғәзеби Қудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды. 21Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, өзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Қудайдың сөзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер.
22Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. 23Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тәбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды. 24Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады. 25Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға[3] анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам өз ислери менен бахытлы болады.
26Өзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам өзин өзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос. 27Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.

 

2

 

1Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар. 2Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе, 3сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет көрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер, 4араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма?
5Қулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Қудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Өзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма? 6Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе? 7Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе?
8Мухаддес Жазыўдағы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»[4], – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар. 9Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар. 10Өйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады. 11Себеби «Неке ҳадаллығын бузба»[5], – деген Қудай, «Адам өлтирме»[6], – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам өлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң. 12Азатлық бериўши нызам[7] бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сөйлеңлер ҳәм ис тутыңлар. 13Өйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин.

 

Исеним ҳәм ислер

 

14Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма? 15Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса, 16араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда? 17Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де өз-өзинен өли. 18Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди көрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы көрсетейин», – дейди. 19Сен Қудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады. 20Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе? 21Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма? 22Көрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты. 23Солай етип, «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды»[8], – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Қудайдың досты деп аталды. 24Көрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады. 25Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та өз ислери менен ақланбады ма? 26Руўхсыз дене өли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де өли.

 

3

 

Тилди тыйыў ҳаққында

 

1Ҳәй, туўысқанларым! Көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер. 2Ҳәммемиз көп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сөйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз. 4Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады. 5Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады. 6Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады.
7Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте. 8Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы.
9Тилимиз бенен Ийемизди, Әкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да. 10Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек. 11Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма? 12Туўысқанларым! Әнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
13Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис. 14Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сөйлемеңлер. 15Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан. 16Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес. 18Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.

 

4

 

Қудайға бойсыныңлар!

 

1Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе? 2Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам өлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Қудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар. 3Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, өз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар.
4Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Қудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам өзин Қудайға душпан қылады. 5Мухаддес Жазыўда: «Қудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы[9] бизлердиң Қудайға садық болыўымызды қатты қәлейди»[10], – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма? 6Деген менен, Қудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда:

 

«Қудай менменлерге қарсы турады,
бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди»[11], –

 

делинген.
7Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. 8Қудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер! 9Қайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын. 10Ийемиздиң алдында өзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады.

 

Бир-бириңизди жаманламаңлар!

 

11Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Өз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сөйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң. 12Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Қудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды[12] ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң?

 

Мақтаншақлық ҳаққында

 

13Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда көремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар! 14Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Өмириңиздиң өзи не? Ол аз ўақыт көринип, кейин жоқ болатуғын пуў. 15Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис. 16Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық. 17Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.

 

5

 

Байларға ескертиў

 

1Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли өкирип жылаңлар! 2Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген. 3Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар.
4Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Қүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти. 5Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйип-сапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде өзлериңизди семирттиңлер. 6Сизлер өзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип өлтирдиңлер.

 

Сабырлы болыңлар!

 

7Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Әне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр. 8Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Өйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 9Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур.
10Ҳәй, туўысқанлар, Қудайдың атынан сөйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен өрнек алыңлар. 11Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли.
12Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер.

 

Исеним менен етилген дуўа

 

13Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы көтериңки адам бар ма? Ол Қудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын. 14Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. 15Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. 16Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
17Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады. 18Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер өним берди.
19Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса, 20билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады.

 

 

 

Петрдиң 1-хаты

Петрдиң биринши хаты

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Петр жазған. Петр бул хатты Анадолы (ҳәзирги Түркия) үлкелеринде қуўдаланып атырған исениўшилерди қоллап-қуўатлаў ушын ҳәм оларды исенимде беккем турыўға жигерлендириў ушын жазды. Исеними себепли азап шеккен исениўши адам Ийемиз Масихтан өрнек алып, қыйыншылықларға шыдаўы тийис екенин нәсият етеди.
Және де, Петр өз хатында Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, исениўшилер де жағдай қаншелли қыйын болса да мухаддес өмир кешириў кереклигин ҳәм жаманлыққа жақсылық пенен жуўап қайтарыў кереклигин айтады. Ҳүкиметке ҳәм басшыларға бойсыныў кереклигин жазады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Ийса Масихтың[1] елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳәм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Қудай тәрепинен таңлап алынғанларға сәлем! 2Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Қудай Әке сизлерди әзелден-ақ таңлап алды ҳәм Мухаддес Руўх[2] сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!

 

Жоғалмайтуғын үмит

 

3Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит[3] берди 4ҳәм ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур. 5Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз. 6Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, 7бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Өйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан өтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар боласызлар. 8Сизлер Масихты көрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳәзир Оны көре алмасаңыз да, Оған исенип, сөз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир әжайып ҳәм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар. 9Себеби исенимиңиздиң нәтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи. 11Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳәм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳәм қалай болатуғынын изертледи. 12Олардың изертлеп айтқанларының өзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Қудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жәриялаўшылар сизлерге ҳәзир жәриялады. Ҳәтте, периштелер де буларды билиўди қатты қәлейди.

 

Мухаддес болыңлар!

 

13Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳәрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер. 14Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Қудайды билмеген өткен өмириңиздеги жаман қәлеўлериңиз бойынша жасамаңлар. 15Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳәр бир ис-ҳәрекетиңизде мухаддес болыңлар. 16Өйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен»[4].
17Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳәр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Қудайды «Әке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы өмириңизде Қудайдан қорқып жасаңлар. 18Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар. 19Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар. 20Қудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди. 21Оны өлимнен тирилтип, даңққа еристирген Қудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳәм үмитиңиз Қудайға қаратылған.
22Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы өз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. 23Сизлер өлетуғын нәсил арқалы емес, ал өлмейтуғын нәсил арқалы, яғный Қудайдың тири ҳәм мәңгилик сөзи арқалы жаңадан туўылдыңыз. 24Өйткени:

 

«Пүткил адамзат шөпке уқсайды,
Оның барлық сән-салтанаты да дала гүлиндей,
Шөп қуўрап қалар, гүллер төгилер.
25Бирақ, Қудайдың сөзи мәңги сақланар»[5].

 

Усы сөз – сизлерге жәрияланған Хош Хабар.

 

2

 

Тири тас ҳәм Қудайдың халқы

 

1Сонлықтан ҳәр қандай жаманлықты, ҳәр қыйлы өтирикти ҳәм еки жүзлиликти, күншилликти ҳәм ҳәр қандай өсекти қойыңлар! 2Жаңа туўылған нәрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар. 3Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып көрдиңлер.
4Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Қудай тәрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер. 5Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр. 6Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген:

 

«Мине, Мен Өзим таңлаған
бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Ерусалимде[6] орнатаман.
Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды»[7].

 

7Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол:

 

«Қурылысшылар керексиз деп таслаған тас,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды»[8].

 

8Және де,

 

«сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартас болды»[9].

 

Исенбейтуғынлар Қудайдың сөзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тәғдирине жазылған.
9Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар. 10Бир ўақытлары Қудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Қудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Қудайдың мийрим-шәпәәтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шәпәәтин алдыңлар.
11Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар. 12Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.

 

Басшыларға бойсыныңлар!

 

13Ийемиз Ийса ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм 14жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тәрепинен жиберилген ҳәкимлерге бойсыныңлар. 15Себеби Қудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың өсек сөзлериниң тоқтаўын қәлейди. 16Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Қудайдың қуллары болып жасаңлар. 17Ҳәмме адамларға ҳүрмет көрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Қудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
18Ҳәй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳәм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар. 19Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды. 20Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай әперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Қудайға унайды. 21Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти.
22«Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сөз де шықпады»[10]. 23Масқараланғанда ҳеш кимге масқаралаў менен жуўап қайтармады. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Өзин әдиллик пенен ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды. 24Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз. 25Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳәм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.

 

3

 

Ерли-зайыплыларға ақыл-нәсиятлар

 

1-2Ҳәй ҳаяллар, Масих Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сөзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып, пәк өмир сүрип атырғаныңызды көрип, сөзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили өмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады. 3Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. 4Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы. 5Өтмиште Қудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да өз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген. 6Солардың бири Сара да өз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап, оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар.
7Ҳәй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нәзик екенин ҳәм мәңгилик өмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.

 

Ҳақыйқатлық ушын азап шегиў

 

8Жуўмақластырып айтқанда, ҳәммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Қайырқом ҳәм кишипейил болыңлар. 9Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Қудай сизлерди бул ушын шақырған[11].

 

10«Ким де ким өмирди сүйип,
жақсы күнлер келиўин қәлесе,
тилин жаман сөзден,
аўзын өтирик сөз айтыўдан тыйсын.
11Жаманлықтан қашып,
жақсылық ислесин.
Тынышлық излеп,
оны орнатыўға умтылсын.
12Өйткени Қудайдың көзлери ҳақ адамларда,
Оның қулағы олардың жалбарыныўларын еситеди.
Бирақ Қудай жаманлық
ислейтуғынларға қарсы турады»[12].

 

13Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди?
14Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер.
15Масихты «Ийемиз» деп, кеўиллериңизде айрықша қәстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳәр бир адамға жуўап бериўге ҳәмме ўақыт таяр болыңлар.
16Деген менен, буны мүләйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар.
17Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қәлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ.
18Масихтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мәртебе қурбан болды. Денеси өлтирилсе де, Ол руўхта тирилди[13]. 19Ол, ҳәтте, қамақта болған руўхларға да барып, Өз жеңисин жәриялады. 20Әййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Қудай адамлардың тәўбе етиўин[14] сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды. 21Бул – Ийса Масихтың қайта тирилиўи арқалы ҳәзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Қудайдан пәк ҳүждан сораў дегенди билдиреди. 22Масих аспанға көтерилип, Қудайдың оң жағында отыр. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳәм күш ийелери бойсынды.

 

4

 

Қудай ушын жасаў

 

1Солай етип, Масих денеси менен азап шекти[15]. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады. 2Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар. 3Сизлердиң өткен өмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын әдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қәлеўлерге, мәскүнемликке, айшы-әширетке, нәпсиқаўлыққа ҳәм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, өмир сүрген едиңлер. 4Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нәпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр. 5Бирақ олар буның ушын тирилер менен өлилерди ҳүким етиўге таяр турған Қудай алдында жуўап береди. 6Сол себепли, өлилердиң денеси басқалар қатары өлип жазаланса да, руўхы Қудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар өлилерге де жәрияланды.
7Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар! 8Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады. 9Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар. 10Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. 11Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Масихтики. Аўмийин.

 

Масихый болып азап шегиў

 

12Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. 13Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар. 14Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады. 15Және ҳеш бириңиз адам өлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин. 16Бирақ сизлер масихый[16] болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар. 17Өйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Қудай Өз шаңарағынан баслайды. Егер бул Қудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Қудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?

 

18«Егер ҳақ адам зорға қутқарылса,
Қудайсыз ҳәм гүнакар адамға не болады?»[17]

 

19Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын.

 

5

 

Жәмәәт ақсақаллары ҳәм жаслары

 

1Араңыздағы жәмәәт ақсақалларына олардай жәмәәт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳәм Ол қайтып келгенде ашық көринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды өтиниш етемен: 2Қудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мәжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Қудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал өз қәлеўиңиз бенен ислеңлер. 3Өзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар. 4Солай етсеңиз, бас Шопан келгенде, мәңги уллылықтың тажын аласызлар.
5Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби:

 

«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди»[18].

 

6Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди.
7Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
8Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. 9Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. 10Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масих арқалы Өзиниң мәңгилик салтанатына шақырды. Қысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Өзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳәм тыянақлы қылады. 11Қүдирет мәңгиге Оныки болсын! Аўмийин.

 

Соңғы сәлемнама

 

12Мен сизлерге усы қысқаша хатымды өзим исенимли туўысқаным деп есаплайтуғын Силаға[19] жаздырып атырман. Сизлерди жигерлендирип, бул хатта айтқанларымның Қудайдың ҳақыйқый мийрими екени ҳаққында гүўалық беремен. Усы мийрим менен беккем турыңлар.
13Сизлер менен бирге таңланған Бабилондағы исениўшилер жәмәәти ҳәм тутынған улым Марк сизлерге сәлем айтып атыр. 14Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сәлемлесиңлер.
Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳәммеңизге тынышлық яр болсын!

 

 

 

 

Петрдиң 2-хаты

Петрдиң екинши хаты

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Петр жазған. Петр өзиниң бул екинши хатын жалған муғаллимлердиң тәсири себепли қәўип астында болған исениўшилерге жазған еди.
Ол хатында исениўшилерге жалған муғаллимлер себепли азғырылмаўды ҳәм дурыс тәлиймат бойынша руўхый өсип барыўды кеңес етеди. Ийемиз Ийсаның қайта келиўин сергеклик пенен күтиў кереклигин ҳәм Оның алдында минсиз болып жасаўға тырысыў кереклигин айтады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Ийса Масихтың[1] қулы ҳәм елшиси Симон Петрден, Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың ҳақлығы арқалы бизлер алған қымбатлы исенимге тең исенимди сыйға алғанларға сәлем! 2Қудайды ҳәм Ийемиз Ийсаны ҳақыйқаттан билип барыўыңыз арқалы сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!

 

Шақырылыў ҳәм таңлап алыныў

 

3Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды. 4Қудай Өз уллылығы ҳәм ийгилиги арқалы бизлерге жүдә үлкен ҳәм қымбатлы ўәделер берди. Солай етип, бул ўәделер себепли сизлер дүньядағы жаман қәлеўлерден қутылып, қудайлық тәбиятқа шерик боласызлар. 5Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди, 6билимге нәпсини тыйыўды, нәпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды, 7Қудайға бағышланыўға туўысқанлық сүйиспеншиликти, туўысқанлық сүйиспеншиликке сүйиспеншиликти қосып арттырыңлар. 8Егер бул жақсы қәсийетлер сизлерде бар болып, артып атырған болса, онда Ийемиз Ийса Масихты билиўде табыссыз ҳәм жемиссиз болмайсыз. 9Бул жақсы қәсийетлерге ийе болмаған адам узақты көре алмайтуғын соқыр адам болғаны. Ол бурынғы гүналарынан тазаланғанын умытқан адам демек.
10Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз. 11Солай етип, Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мәңгилик Патшалығына кириў жолы сизлерге кең ашылады.

 

Мухаддес Жазыўларға дыққат аўдарыңлар!

 

12Сол себептен сизлер буларды билип, өзиңиздеги ҳақыйқатты беккем тутсаңлар да, мен усыларды сизлерге ҳәмме ўақыт еслетип турыўға таярман. 13Бул денеде[2] жасаған ўақтымда ядыңызда болған нәрселерди еслетип турыўды дурыс деп таптым. 14Өйткени Ийемиз Ийса Масихтың маған билдириўи бойынша, бул денеден айырылатуғын ўақтымның жақын екенин билемен. 15Мен бул дүньядан кеткенимнен соң да буларды ҳәмме ўақыт еслеп тура алыўыңыз ушын, жан-тәним менен тырысаман.
16Бизлер[3] Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик. 17Себеби қүдиретли ҳәм уллы Қудайдан Ийсаға: «Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман»[4], – деген саза еситилгенде, Ол Қудай Әкеден даңқ ҳәм салтанат алды. 18Оның менен бирге мухаддес таўда болғанымызда, аспаннан келген усы сазаны бизлер де еситтик.
19Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар. 20Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды[5]. 21Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх[6] тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан.

 

2

 

Жалған устазлар ҳаққында

 

1Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тәлийматлар киргизип, ҳәтте, өзлерин Өз қанын төлеп сатып алған Ийесин де тән алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳәрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди. 2Көп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди. 3Олар нәпсиқаўлық пенен, өзлери ойлап тапқан жалған сөзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими әўелден-ақ таяр турған болып, олар көп кешикпей набыт етиледи.
4Себеби Қудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты. 5Қудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, әййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳәм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды. 6Содом ҳәм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип көрсетти. 7Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Қудай қутқарды. 8Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин көрип ҳәм еситип турып, пәк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди. 9Солай етип, Қудай Өз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳәм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи. 10Әсиресе өзиниң гүнакар тәбиятының бузық қәлеўлерине берилип, Қудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тәғдири усылай болады.
Сол сыяқлы, уятсыз ҳәм өжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды. 11Периштелердиң күш ҳәм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Қудай алдында оларды масқаралап айыпламайды. 12Бирақ бул жалған устазлар өзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳәм тәбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады. 13Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-әширетке берилиўди өмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, өз өтиригинен рәҳәтленеди. 14Олардың көзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳәлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нәпсиқаў ҳәм ғарғыс урған адамлар. 15Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда көриўди жақсы көрген Босор улы Балаамның жолын тутты. 16Бирақ ол ислеген гүнасы ушын әшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сөйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди[7].
17Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур. 18Өйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳәм лап сөзлер менен алдап, гүнакар тәбияттың бузық қәлеўлерине баслайды. 19Өзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўәде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо. 20Адамлар Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напәкликлеринен қутылғаннан соң, және сол нәрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады. 21Өйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гөре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди. 22Олардың өмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сөзлер туўры келеди:

 

«Ийт өз қусығына қайтады,
Шошқа жуўындырылғаннан соң,
Барып батпаққа аўнайды»[8].

 

3

 

Ийемиздиң қайтып келетуғын күни ҳаққында

 

1-2Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым. Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сөзлери ҳәм Қутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пәк ой-пикирлерди оятыўға ҳәрекет еттим. 3Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде өз жаман қәлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып: 4«Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўәдеси қәне? Ата-бабаларымыз дүньядан өткеннен бери, ҳәмме нәрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди. 5Себеби олар Қудайдың сөзи менен аспанның жүдә әййемги ўақытларда бар болғанын ҳәм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады. 6Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди. 7Ал ҳәзирги аспан ҳәм жер болса, отта жаныў ушын Қудайдың сол сөзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты.
8Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нәзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей. 9Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўәдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қәлемей, ҳәр бир адам тәўбе етсин[9] деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты. 10Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери[10] жанып кетеди, жер ҳәм жер бетиндеги ҳәр бир нәрсе жанып күлге айланады[11]. 11Ҳәмме нәрсе усы тәризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зәрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Қудайдың жолы менен жүриўиңиз керек. 12Қудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Өйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери[12] де күшли ыссыдан ерип кетеди. 13Бирақ бизлер Қудайдың ўәдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз.
14Сонлықтан, ҳәй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Қудайдың алдында кемшиликсиз ҳәм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳәрекет етип, тыныш жасаңлар. 15Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де өзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар. 16Павел барлық хатларында усы ҳаққында сөз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳәм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳәрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди.
17Солай етип, ҳәй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, өзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар. 18Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бөленип, Оны билиўде өсип барыңлар. Ҳәзир ҳәм мәңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.

 

 

 

 

Юханның 1-хаты

Юханның биринши хаты

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Юхан I әсирдиң ақырында жазған. Хат жазылған ўақытта жалған тәлийматлар кең тарқалған болып, олар исениўши жәмәәтлерге үлкен қәўип туўғызатуғын еди. Себеби бундай тәлийматларды тарқатыўшы жалған муғаллимлер Ийса Масих адам болып жасамады, деп үйрететуғын еди.
Юхан өз хатында бул пикирге қарсы шығып, Ийса Масихтың адам болып жасағанын тастыйықлайды ҳәм исениўшилер Масих арқалы Қудай менен қарым-қатнаста болып, өз ара бир-бирин сүйиў кереклиги ҳаққында айтады. Және де, Ийса Масихқа исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе екенлиги ҳаққында гүўалық береди.

 

1

 

Өмир Сөзи

 

1Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. 2Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Әке[1] менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз. 3Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих[2] пенен болады. 4Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.

 

Қудай – нур

 

5Ийса Масихтан еситип, сизлерге жәриялап атырған хабарымыз бул: Қудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ. 6Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз. 7Бирақ Қудайдың Өзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳәм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды.
8Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳәм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды. 9Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды. 10Егер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз ҳәм бизлерде Оның сөзи болмайды.

 

2

 

Ийса – бизлердиң Жақлаўшымыз

 

1Ҳәй, балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар. 2Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды.
3Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз. 4«Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ. 5Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кәмал табады. Қудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз. 6«Қудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт.

 

Жаңа буйрық

 

7Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, сизлерге жаңа буйрықты емес, әзелден өзлериңиз қабыл еткен ески буйрықты жазып атырман. Бул ески буйрық – сизлер еситкен Қудайдың сөзи. 8Бирақ сизлерге және жаңа буйрық та жазып атырман. Буның ҳақыйқат екени Масих ҳәм сизлер арқалы көринип атыр. Себеби қараңғылық өтип баратыр, ал ҳақыйқый нур әлле қашан жарқырап тур.
9«Нурдаман» деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады. 10Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳәм онда сүрнигиўге себеп болмайды. 11Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен.

 

12Балаларым, сизлерге жазып атырман.
Себеби Ийсаның аты арқалы гүналарыңыз кеширилди.
13Әкелер, сизлерге жазып атырман.
Өйткени сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер.
Жаслар, сизлерге жазып атырман.
Себеби сизлер шайтанды жеңдиңиз.
Балаларым, сизлерге жаздым.
Өйткени сизлер Әкени билесизлер.
14Әкелер, сизлерге жаздым.
Себеби сизлер ең бастан бар Болғанды билесизлер.
Жаслар, сизлерге жаздым.
Өйткени сизлер күшлисиз ҳәм сизлерде Қудайдың сөзи болып,
сизлер шайтанның үстинен жеңиске еристиңиз.

 

15Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. 16Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан. 17Дүнья ҳәм оның қәлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мәңги жасайды.
18Балаларым, бул соңғы ўақыт. Масихқа қарсы турыўшының келетуғынын еситкениңиздей, әлле қашан көп Масихқа қарсы турыўшылар пайда болды. Соңғы ўақыт болғанын усыннан билемиз. 19Олар арамыздан шықты, бирақ бизлерге тийисли емес еди. Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мәлим болды.
20Ал сизлер мухаддес болған Масихтан Мухаддес Руўхты[3] алғанлықтан[4], ҳәммеңиз ҳақыйқатты билесизлер. 21Мен сизлерге ҳақыйқатты билмегениңиз ушын емес, ал ҳақыйқатты ҳәм ҳеш қандай жалғанның ҳақыйқаттан емес екенин билгениңиз себепли жазып атырман.
22Ийсаның Масих екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масихқа қарсы турыўшы. 23Улды тән алмаған адамда Әке де жоқ. Ал Улды тән алған адамда Әке де бар.
24Әўел бастан еситкен сөзиңизди өзлериңизде сақлаңлар. Егер әўел бастан еситкен сөзиңиз сизлерде болса, сизлер де Ул ҳәм Әке менен бирге боласызлар. 25Масихтың Өзи бизлерге ўәде еткен мәңгилик өмир – усы.
26Буларды сизлерди азғырмақшы болып атырғанлар ҳаққында жазып атырман. 27Бирақ сизлер Масихтың Мухаддес Руўхына[5] ийесиз. Сизлерде Мухаддес Руўх[6] болғанлықтан, сизлерге ҳеш кимниң үйретиўиниң ҳәжети жоқ. Масихтың Мухаддес Руўхы[7] сизлерге ҳәммесин үйретеди. Оның тәлими ҳақыйқый, жалған емес. Оның сизлерге үйреткени сыяқлы, Масих пенен жасаңлар.
28Аўа, балаларым, енди Масих пенен қарым-қатнаста болып, Ол келгенде, Оның алдында уятқа қалмаўымыз ушын мәрт боламыз.
29Қудайдың ҳақ екенин билсеңиз, ҳақ ис қылған ҳәр бир адамның да Оннан туўылғанын билиң.

 

3

 

Қудайдың балалары

 

1Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр. 2Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бизлер енди Қудайдың балаларымыз. Бирақ қандай болатуғынымыз еле бизлерге көрсетилмеди. Масих келгенде, Ол сыяқлы болатуғынымызды билемиз. Өйткени Оның қандай екенин көремиз. 3Масихтан усылай үмит еткен ҳәр бир адам Ол пәк болғаны сыяқлы, өзин пәклейди.
4Гүна ислеген ҳәр бир адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи – нызамсызлық. 5Ал Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер. Оның Өзинде гүна жоқ. 6Оның менен жасайтуғын адам гүна ислемейди. Гүна ислеўди даўам етип атырған адам Оны көрмеген де, билмеген де.
7Перзентлерим! Ҳеш кимге өзлериңизди алдатпаңлар. Масихтың ҳақ болғаны сыяқлы, ҳақ ис ислеген адам да ҳақ. 8Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. 9Қудайдан туўылған ҳәр бир адам гүна ислемейди, себеби Қудайдың туқымы онда болады. Ол Қудайдан туўылғанлықтан, гүна ислеўди даўам ете алмайды. 10Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес.

 

Бир-биримизди сүйейик!

 

11Сизлер әзелден еситкен хабар бул: бир-биримизди сүйейик! 12Шайтанға тийисли болып, өз туўысқанын өлтирген Каинға уқсамайық. Ол не ушын туўысқанын өлтирди? Өйткени өзиниң ислери жаўыз, ал туўысқанының ислери ҳақ еди.
13Ҳәй, туўысқанларым, дүнья сизлерди жек көрип атырған болса, ҳайран қалмаңлар. 14Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз. Ким де ким туўысқанын сүймесе, ол өли болып қала береди. 15Туўысқанын жек көрген ҳәр бир адам – адам өлтириўши. Ҳеш бир адам өлтириўшиниң мәңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер.
16Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шәрт. 17Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады?
18Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. 19-20Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Өйткени Қудай кеўлимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи.
21Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз 22ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз. 23Оның буйрығы бул: Улы Ийса Масихтың атына исенип, Оның бизлерге буйырғанындай, бир-биримизди сүйиўимиз тийис. 24Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз.

 

4

 

Руўхларды сынаңлар!

 

1Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, ҳәр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Қудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап көриңлер. Өйткени дүньяда көп жалған пайғамбарлар пайда болды. 2Қудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алған ҳәр қандай руўх Қудайдан. 3Ийсаны тән алмаған ҳәр бир руўх Қудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол әлле қашан дүньяда.
4Ҳәй, перзентлерим, сизлер Қудайдансызлар ҳәм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы. 5Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сөзлерди сөйлейди ҳәм дүнья оларды тыңлайды. 6Ал бизлер Қудайданбыз. Ким де ким Қудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Қудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз.

 

Қудай – сүйиспеншилик

 

7Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Өйткени сүйиспеншилик Қудайдан. Ҳәр бир сүйиўши адам Қудайдан туўылған ҳәм Қудайды биледи. 8Сүймейтуғын адам Қудайды билмейди. Себеби Қудай – сүйиспеншилик. 9Қудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай көрсетти: Қудай Өзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы өмир берди. 10Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Қудайды емес, ал Қудай бизлерди сүйип, Өз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди.
11Ҳәй, сүйикли туўысқанларым! Қудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз. 12Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Қудай бизлерде болады ҳәм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады.
13Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз. 14Әке Өз Улын дүньяның Қутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер көрдик ҳәм бул туўралы гүўалық беремиз. 15Ким де ким Ийсаны Қудайдың Улы деп тән алса, Қудай онда, ол да Қудайда болады. 16Бизлер Қудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳәм оған исенемиз.
Қудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Қудайда, Қудай да онда болады. 17Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мәрт болыўымыз ушын, Қудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. Өйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз. 18Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген.
19Бизлер бир-биримизди сүйемиз, өйткени дәслеп Қудай бизлерди сүйди. 20Егер ким де ким: «Қудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек көрсе, ол өтирикши. Себеби көзге көринетуғын туўысқанын сүймеген адам көзге көринбейтуғын Қудайды қалай сүйе алады? 21«Қудайды сүйетуғын адам өз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз.

 

5

 

Дүньяны жеңетуғын исенимимиз

 

1Ийсаның Масих екенине исенетуғын ҳәр бир адам Қудайдан туўылған. Әкени сүйген ҳәр бир адам Оның балаларын да сүйеди. 2Қудайды сүйип, Оның буйрықларын орынлағанымыздан Қудайдың балаларын сүйетуғынымызды билемиз. 3Өйткени Қудайдың буйрықларын орынлағанымыз Оны сүйетуғынымызды аңлатады. Оның буйрықлары аўыр емес. 4Себеби Қудайдан туўылған ҳәр бир адам дүньяны жеңеди. Дүнья үстинен жеңиске ерискен бизлердиң исенимимиз болады. 5Ийсаның Қудайдың Улы екенине исенетуғын адамнан басқа, ким дүньяны жеңе алады?

 

Қудайдың Улы ҳаққында гүўалық

 

6Бул – суў ҳәм қан менен келген[8] Ийса Масих. Ол тек суў менен емес, ал суў ҳәм қан менен келди. Және де, гүўалық бериўши Мухаддес Руўх. Өйткени Мухаддес Руўх – ҳақыйқат. 7Гүўалық беретуғынлар үшеў: 8Мухаддес Руўх, суў ҳәм қан. Булардың үшеўиниң гүўалығы бир. 9Бизлер адамның гүўалығын қабыл етемиз, ал Қудайдың гүўалығы оннан да уллы. Себеби бул – Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығы. 10Қудайдың Улына исенетуғын адамның өзинде усы гүўалық бар. Ал Қудайға исенбейтуғын адам Қудайды өтирикши қылған болады. Өйткени Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди. 11Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында. 12Қудайдың Улына ийе болған адам өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам өмирге ийе емес.
13Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мәңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман. 14Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Қудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди. 15Егер не сорасақ та, Оның еситетуғынын билетуғын болсақ, Оннан сорағанларымызды алатуғынымызды да билемиз.
16Егер ким де ким туўысқанының өлимге апармайтуғын гүна ислегенин көрсе, дуўа етсин. Қудай оған өмир береди. Буны өлимге апармайтуғын гүна ислегенлер ҳаққында айтып атырман. Өлимге апаратуғын гүна да бар. Бул ушын дуўа етсин, деп атырғаным жоқ. 17Ҳәр қандай жаманлық – гүна, бирақ өлимге апармайтуғын гүна да бар.
18Қудайдан туўылған адам гүна ислеўди даўам етпейтуғынын билемиз. Себеби оны Қудайдың Улы сақлайды ҳәм шайтан оған қол тийгизе алмайды. 19Өзлеримиздиң Қудайға тийисли екенимизди ҳәм пүткил дүнья шайтанның қол астында екенин билемиз. 20Және де, Қудайдың Улы келип, ҳақыйқый Қудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Қудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол – ҳақыйқый Қудай ҳәм мәңгилик өмир.
21Перзентлерим, өзлериңизди бутлардан сақлаңлар!

 

 

 

Юханның 2-хаты

Юханның екинши хаты

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Юхан I әсирдиң ақырында бир исениўши жәмәәтке ямаса бир исениўши ҳаялдың хожалығына жазған.
Бул хатта да исениўшилер бир-бирин сүйиў кереклиги ҳәм жалған тәлийматлар ҳаққында қайта айтылады. Хат Жаңа Келисимдеги ең қысқа хатлардың бири.

 

 

Ҳақыйқат ҳәм сүйиспеншилик

 

1Мен, Юхан ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына[1] сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди. 2Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады.
3Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масихтан[2] келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
4Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым. 5Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман. 6Сүйиспеншилик – бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
7Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳәм Масихқа қарсы турыўшы. 8Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. 9Масихтың тәлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлийматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар. 10Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлийматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер. 11Өйткени оған сәлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.
12Сизлерге жазатуғын көп нәрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қәлемеймен. Қуўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сөйлесемен деген үмиттемен.
13Қудай таңлаған сиңлиңниң балалары[3] саған сәлем айтып атыр.

 

 

 

 

Юханның 3-хаты

Юханның үшинши хаты

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Елши Юхан бул үшинши хатын да I әсирдиң ақырында жазған болып, хат Гаюс деген адамға жазылған. Юхан Гаюсқа ел аралап жүрген Қудайдың хызметшилерин қабыл алып, оларға сүйиспеншилик пенен жәрдем бериў кереклиги ҳаққында жазады. Димитрий деген адамнан өрнек алыў кереклигин айтып, Диотреф деген адамның ислерин әшкаралайды.

 

 

Сәлемнама

 

1Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем!
2Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман. 3Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым. 4Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.

 

Аўызбиришилик ҳәм алаўызлық

 

5Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң. 6Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң. 7Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди. 8Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.
9Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр. 10Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр.
11Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Қудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Қудайды көрген емес. 12Димитрий ҳаққында ҳәмме адам, ҳақыйқаттың өзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең.
13Саған жазажақ көп нәрселерим бар еди, бирақ сыя ҳәм қәлем менен жазыўды қәлемеймен. 14Сени тез арада көриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сөйлесемиз.  15Аман бол! Дослар саған сәлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сәлем айтып қой.

 

 

Яҳуданың хаты

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Хатты Яҳуда жазған. Бул хаттың Петр жазған 2-хат пенен уқсас жерлери бар. Екеўинде де жалған муғаллимлер ҳәм оларға берилетуғын жаза ҳаққында сөз етиледи (Петр 2-хаты 2-бап; Яҳуда 1:4-18).
Яҳуда қутқарылыў ҳаққында жазыўды қатты қәлеген еди. Бирақ, сол ўақытлары исениўшилер арасына кирип алған айырым қудайсыз адамлардың жаман тәсиринен исениўшилерди сақлаў ушын ол усындай мазмундағы хатты жазады. Яҳуда өз хатында Қудайдың мийрими ҳаққында бурмалап түсиндиретуғын бундай адамларға қарсы турыў жүдә әҳмийетли екенин атап өтеди.

 

 

Сәлемнама

 

1Мен, Ийса Масихтың[1] қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масихтың Өзи сизлерди сақлап келмекте.
2Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин!

 

Гүна ҳәм жаза

 

3Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди исениўшилерге[2] бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым. 4Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масихты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған.
5Булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Қудай Өз халқын Мысыр елиндеги қулшылықтан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти. 6Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей[3], мәканын таслап кеткен периштелерди де Қудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты. 7Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды.
8Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди. 9Ҳәтте, бас периште Михаил де Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Қудайдың Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди. 10Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады. 11Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Балаам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Корей сыяқлы қозғалаң көтерип, набыт болады.
12Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде[4] сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар ишекке түскен қурт сыяқлы қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жамғырсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды. 13Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур.
14-15Адам-атаның жетинши әўлады болған Енок усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди:

 

«Мине, Ийемиз ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын,
қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин,
Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын,
Өзиниң мың-мыңлаған мухаддеслери менен келеди».

 

16Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.

 

Ақыл-нәсиятлар

 

17Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер. 18Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады»[5], – деген еди. 19Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан[6] бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар.
20Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер. 21Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масихтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер. 22Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар. 23Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға сақлық пенен реҳимлилик көрсетиңлер. Ал олардың гүналарынан болса, жеркениңлер[7].
24-25Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масих арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын!
Аўмийин.

 

 

 

 

Римлилерге

Римлилерге жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Павел бул хатты Римдеги исениўши жәмәәтке жазған. Сол ўақытлары Римдеги исениўши жәмәәт өсип, раўажланып атырған еди. Павел сол жерге барып, Қудайдың Хош Хабары ҳаққында толығырақ түсиндириўди қәледи. Бирақ, ҳәр түрли жағдайлар себепли бара алмағанлықтан, ол бул хатты жазып жиберген еди.
Хаттың баслы темасы – Қудайдың қутқарыў жобасы. Мазмуны бойынша, хат пүткил Хош Хабарды өз ишине қамтыйды. Павел бул хатында пүткил адамзаттың гүнакар екенин атап өтип, ҳәр бир адамның қутқарылыўға мүтәж екенин жазады. Қудай тәрепинен берилген усы қутқарылыўға адам өзиниң жақсы ислери менен емес, ал Ийса Масихтың атанақ ағашта гүнакарлар ушын өлгенине исенгени себепли ғана ерисиўге болады. Адамлар тек Ийса Масихқа исенгени арқалы ғана ақланады (1:17).
Хат исеними арқалы ақланғанлардың бул дүньяда ҳәм жәмәәт ишинде қалай ис тутыў кереклиги ҳаққында көрсетпелер менен жуўмақланады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Ийса Масихтың[1] қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем! 2Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди. 3Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм 4Оның Мухаддес Руўх[2] тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих. 5Масихтың аты ушын, ҳәмме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳәм сөзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Қудайдың мийримине ҳәм елшилик хызметине ийе болдық. 6Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳәр түрли миллетлерденсиз. 7Қудай сүйип, Өз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳәммеңизге Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Павелдиң Римге барыўды әрман етиўи

 

8Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳәммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Қудайыма шүкирлик билдиремен. 9Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим[3] менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа. 10Және де, енди сизлерге барыўым ушын Қудайдың қәлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман. 11Өйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты көргим келип атыр. 12Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.
13Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди көп мәртебе мақсет етсем де, бирақ ҳәзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қәлемеймен. 14Мениң парызым[4] ҳәммеге: греклерге ҳәм грек емеслерге[5], билимли ҳәм билимсиз адамларға Хош Хабарды жәриялаўдан ибарат. 15Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жәриялаўға таярман.

 

Хош Хабардың күши

 

16Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди[6] қутқара алатуғын Қудайдың күши. 17Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды»[7].

 

Қудайдың ғәзеби

 

18Ҳақыйқатқа өз наҳақлығы менен бөгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳәм наҳақ ислерине аспаннан Қудайдың ғәзеби төгиледи. 19Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нәрселер оларға белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мәлим еткен. 20Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қәсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳәм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳәм ашық көринеди. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды.
21Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳәм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады. 22Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты: 23мәңги тири Қудайдың уллылығын басында өлим бар адамның, қуслардың, төрт аяқлы ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың көринисиндеги бутларға алмастырды.
24Сол себептен Қудай оларды жүреклериндеги ҳарам қәлеўлерине ҳәм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады. 25Олар Қудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нәрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Қудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин.
26Сонлықтан Қудай оларды уятсыз қәлеўлерине тапсырды. Ҳәтте, ҳаяллар да ер адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, өз ара тәбийғый емес қатнас жасады. 27Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды. 28Қудайды билиўди қәлемегенликтен, Қудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳәм ислеўге болмайтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеўге тапсырды. 29Олардың кеўиллери ҳәр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нәпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жәнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳәм жаман нийетке толы. Олар және өсекши, 30жалахор, Қудайды жек көриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сөзин тыңламайтуғын, 31ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳәм реҳимсиз адамлар. 32Бундай ислерди ислеўшилер өлимге ылайық, деген Қудайдың әдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек өзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.

 

2

 

Қудайдың әдил ҳүкими

 

1Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳәй адам, өзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, өзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳәй ҳүким етиўши адам, өзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо. 2Сол ислерди ислеўшилерди Қудай әдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз. 3Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба? 4Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе?
5Сен өзиңниң өжетлигиң ҳәм тәўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Қудайдың әдил ҳүкими шығарылатуғын ғәзеп күни ушын, өзиңе қарсы ғәзеп топламақтасаң. 6Қудай ҳәр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады: 7үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳәм мәңгиликти излегенлерге Қудай мәңгилик өмир береди. 8Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғәзеп ҳәм қәҳәрин төгеди. 9Жаманлық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға[8] Қудай қыйыншылық ҳәм қайғы жибереди. 10Керисинше, жақсылық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға[9] Ол даңқ, ҳүрмет ҳәм тынышлық береди. 11Өйткени Қудай адамларды айырмайды.
12Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи. 13Себеби Қудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады. 14Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, өзлери ушын өзлери нызам. 15Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын көрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳәм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды. 16Мен жәриялап атырған Хош Хабар бойынша Қудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.

 

Яҳудийлер ҳәм Мухаддес Нызам

 

17Минекей, сен өзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳәм Қудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң. 18Сен Қудайдың еркин билесең ҳәм Мухаддес Нызамнан тәлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң. 19-20Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳәм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, өзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры, ақылсыз адамлардың тәрбияшысы ҳәм гөдеклердиң устазы деп есаплайсаң. 21Олай болса, басқа биреўге тәлим берип турып, өзиңе неге тәлим бермейсең? Урлық ислемеўди жәриялап, өзиң неге урлық ислейсең? 22«Бузықшылық ислеме» деп, өзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң? 23Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Қудайды ҳүрмет етпейсең? 24Өйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Қудайдың атына тил тийеди»[10].
25Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң[11] пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес. 26Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Қудай тәрепинен сүннетлилер, яғный Өзиниң халқы деп есапланбай ма? 27Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳәм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен? 28Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳәм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес. 29Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Және де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тәрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Қудайдың мақтаўын алады.

 

3

 

Қудайдың садықлығы

 

1Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма? 2Әлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳәр тәреплеме артықмашылыққа ийе. Өйткени ең алды менен Қудайдың сөзлери оларға исенип тапсырылған. 3Егер олардың айырымлары Қудайдың сөзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Қудайдың садықлығын бийкарлай ала ма? 4Ҳеш қашан! Ҳәмме адамлар өтирикши болса да, Қудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Қудай ҳаққында былай делинген:

 

«Ҳақ екениңди сөзлериң менен көрсетесең,
Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең»[12].

 

5Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Қудайдың ҳақлығын ашып көрсетсе, онда не деймиз? Қудай бизлерди ғәзеп пенен жазаласа, әдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.) 6Ҳеш қашан! Егер Қудай әдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди? 7Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Қудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?» 8Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сөзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Қудайдың жазасына ылайықлы.

 

Бирде бир ҳақ адам жоқ

 

9Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Әлбетте, яқ! Өйткени әлле қашан дәлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да[13], яғный ҳәр бир адам гүнаның бийлиги астында. 10Мухаддес Жазыўларда айтылғандай:

 

«Ҳеш бир ҳақ адам жоқ,
бирде бири жоқ.
11Саналы ҳеш бири жоқ.
Қудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ.
12Ҳәмме жолдан адасқан,
барлығы жарамсыз болған.
Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ.
Бирде бири жоқ»[14].
13«Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығар»[15].
«Тиллери менен алдайды,
еринлеринде жылан зәҳәри»[16].
14«Аўызлары толы нәлет-ғарғыс сөзлерге»[17].
15«Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17Билмес олар тынышлық жолын»[18].
18«Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде[19]».

 

19Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳәммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳәр бир тил байланып, пүткил дүнья Қудайдың алдында есап береди. 20Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Қудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады.

 

Исеним менен ақланыў

 

21Енди болса, Қудайдың адамды ақлайтуғын әдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық көрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди. 22Қудайдың әдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳәр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. 23Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған. 24Бирақ, адамлар Қудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны[20] арқалы ешейин ақланады. 25Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди. 26Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти.
27Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нәрсе менен. Қандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен. 28Өйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз. 29Расында да, Қудай тек яҳудийлердиң Қудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Қудайы емес пе? Әлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Қудайы. 30Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Қудай – жалғыз.
31Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз.

 

4

 

Ибрайымның исеними ҳәм Қудайдың ўәдеси

 

1Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи? 2Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Қудайдың алдында мақтана алмайды. 3Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады»[21]. 4Мийнет еткенге төленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады. 5Бирақ ким де ким өзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Қудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады. 6Минекей, саўап ислерине қарамай, Қудай тәрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген:

 

7«Наҳақ[22] ислери кеширилип,
гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы!
8Қудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!»[23]

 

9Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым өз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик. 10Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын. 11Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рәсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳәммесиниң руўхый бабасы болды. 12Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды.
13Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўәде етти. 14Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳәм ўәде де бос болар еди. 15Өйткени Мухаддес Нызам Қудайдың ғәзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ.
16-17Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп миллетлердиң бабасы қыламан»[24], – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар пайда қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз.
18Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Қудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады»[25], – деп Қудайдың оған айтқанындай, ол көп миллетлердиң бабасы болды. 19Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳәм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады. 20Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады. 21Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди. 22Әне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды.
23«Ақланған деп саналды», – деген сөзлер тек Ибрайымға емес, 24ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз. 25Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын өлимге тапсырылып, Қудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.

 

5

 

Қудай менен жарасыў

 

1Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен жарастық. 2Ийса Масих арқалы Қудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Және де, Қудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз. 3Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, 4сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. 5Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды.
6Аўа, өзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масих белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын өлди. 7Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын өлимге қыймайды. Ҳәтте, өзине қәўендер болған адам ушын да жанын өлимге қыйыўды қәлейтуғын адамлар аз. 8Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи. 9Сонлықтан енди Масихтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутқарылатуғынымыз да анық. 10Себеби бизлер Қудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының өлими арқалы Қудай менен жарастық. Енди Қудай менен жарасып, Оның Улының өмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық. 11Және де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Қудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен қатнаста болып қуўанамыз.

 

Адам-ата арқалы өлим, ал Ийса Масих арқалы өмир келди

 

12Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли өлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам өлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Өйткени ҳәмме гүна ислеген еди. 13Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады. 14Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, өлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти.
Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы. 15Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Қудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли көп адамлар өлген болса да, Қудайдың мийрими ҳәм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды көп адамлар мол-молақай етип алды. 16Қудайдың сыйының нәтийжеси менен бир адамның гүнасының нәтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Қудайдың сыйы себепли, көп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди. 17Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен өлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Қудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен өмир бийлик етеди.
18Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, өмирге еристи. 19Бир адамның бойсынбағаны себепли көп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли көп адамлар ақланады. 20Адамлар өзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна көбейген сайын, Қудайдың мийрими оннан да артып барды. 21Солай етип, гүна өлим арқалы бийлик еткендей, Қудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масих себепли мәңгилик өмирге еристиреди.

 

6

 

Гүна ушын өлип, Масих пенен жасаў

 

1Олай болса, не деймиз? Қудайдың мийрими көбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе? 2Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын өлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз? 3Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳәммемиз де Оның өлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме? 4Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте өлип, көмилдик. Солай етип, Қудай Әкемиздиң қүдирети менен Масих өлимнен қайта тирилип, өмирге ерискендей, бизлер де жаңа өмирге ерисемиз.
5Егер бизлер Масихтың өлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз. 6Гүнакар тәбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар өзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз. 7Өйткени өлген адам гүнаның бийлигинен азат.
8Егер бизлер Масих пенен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз. 9Себеби Масихтың өлимнен тирилип, қайтып өлмейтуғынын ҳәм енди өлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз. 10Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳәм соңғы мәрте өлди. Ал енди болса, Ол Қудай ушын жасап атыр. 11Сонлықтан сизлер де өзлериңизди гүна ушын өли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Қудай ушын тири деп есаплаңлар.
12Солай етип, денеңиздиң жаман қәлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның өткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар. 13Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, өлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, өзлериңизди Қудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Қудайға арнаңлар. 14Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Өйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз.

 

Ҳақлықтың қуллары

 

15Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан! 16Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, өзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я өлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар. 17Бирақ, Қудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди өзлериңизге тапсырылған тәлийматқа шын жүректен бойсындыңлар 18ҳәм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар.
19Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын[26], әпиўайы сөзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳәм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа[27] қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар. 20Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер. 21Бурын ислеген ислериңизден ҳәзир өзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры өлим еди-ғо. 22Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Қудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мәңгилик өмир аласыз. 23Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир.

 

7

 

Нызамнан азат болыў

 

1Ҳәй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме? 2Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады. 3Солай етип, ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи өлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды.
4Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный өлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта өлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында өлгенсиз. Бул ҳәммемиздиң Қудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды. 5Өйткени бурын бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қәлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳәрекет ететуғын еди. Соның нәтийжесинде, бизлер өлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик. 6Енди болса, бизлер бурын өзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын өлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Қудайға хызмет етпектемиз.

 

Гүна менен гүрес

 

7Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман[28] болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нәрсесин күсеме»[29], – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим. 8Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳәр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна өли болады. 9Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Қудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳәрекет ете баслады, 10ал мен өлдим. Солай етип, өмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң өлимиме себепши болды. 11Өйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳәм усы буйрық арқалы мени өлтирди. 12Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Қудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳәм жақсы.
13Солай екен, жақсы нәрсе маған өлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нәрсе арқалы өлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады. 14Бизлер Мухаддес Нызамның Қудайдан келгенин[30] билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, өткинши денеге ийе адамман. 15Мен не ислеп атырғанымды өзим түсинбеймен. Себеби мен қәлеген нәрсемди емес, ал жек көретуғын нәрсемди ислеймен. 16Егер мен қәлемеген нәрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан. 17Олай болса, бул исти мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады. 18Мениң ишимде, яғный гүнакар тәбиятымда ҳеш бир жақсы нәрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қәлеў болса да, күшим жетпейди. 19Өйткени өзим ислеўди қәлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қәлемейтуғын жаман исти ислеймен. 20Егер мен өзим қәлемейтуғын нәрсени ислесем, онда оны мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады.
21Солай етип, мен өзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нәрсени ислеўди қәлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳәрекет етиўге таяр турады. 22Мен руўхым менен Қудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман. 23Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди. 24Ўаҳ, сорлы басым! Өлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады? 25Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Қудай ғана қутқарады! Қудайға шүкирлер болсын!
Солай етип, мен өз сана-сезимим менен Қудайдың Нызамына, ал гүнакар тәбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман.

 

8

 

Өмир бериўши Мухаддес Руўх

 

1Солай етип, Масих[31] Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ. 2Себеби Масих Ийса арқалы өмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳәм өлимниң нызамынан азат қылды. 3Адамның гүнакар тәбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Қудайдың Өзи қутқарды: Қудай Өз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын төленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳәм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Өз Улының денесин ҳүким етти. 4Солай етип, Қудай буны гүнакар тәбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң өмиримизде Мухаддес Нызамның әдил талаплары орынлансын деп иследи.
5Өйткени гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар өз гүнакар тәбиятының қәлейтуғын нәрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қәлейтуғын нәрселерин ойлайды. 6Гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳәм тынышлыққа еристиреди. 7Себеби гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Қудайға душпан. Ол Қудайдың Нызамына бойсынбайды ҳәм бойсына алмайды да. 8Ким де ким гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Қудайға унай алмайды.
9Бирақ, ишиңизде Қудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тәбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес. 10Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли өлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады. 11Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудай ишиңизде жасап атырған Өз Руўхы арқалы өлетуғын денеңизди де тирилтеди.
12Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз. 13Өйткени егер гүнакар тәбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, өлесиз. Ал гүнакар тәбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз. 14Қудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳәммеси – Қудайдың балалары. 15Себеби сизлер өзлериңизди және қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Қудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Қудайды: «Әке, Әкежаным!»[32] деп шақырасыз. 16Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. 17Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз.

 

Келешектеги уллылық

 

18Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес. 19Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Қудайдың Өз балаларын ашық көрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте. 20Өйткени пүткил жаратылыс бул өткинши өмирге тутқын етилген. Бул олардың өзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Қудайдың ерки менен болған. 21Олар өзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳәм Қудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди.
22Бизлерге мәлим, пүткил жаратылыс ҳәзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте. 23Тек жаратылыс емес, ал Қудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз. 24Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер өзлеримиз үмит ететуғын нәрсени көрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Көзге көринип турған нәрсени ким үмит етеди? 25Бирақ, еле көрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз.
26Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳәлсиз болған бизлерге жәрдем береди. Өйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Өзи сөз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Қудайдан өтиниш етеди. 27Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Қудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер[33] ушын Қудайдың ерки бойынша өтиниш етеди.
28Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз[34]. 29Өйткени Қудай Өзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Өз Улының көп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. 30Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди.

 

Масих арқалы берилген Қудайдың сүйиспеншилиги

 

31Олай болса, буған не деймиз? Егер Қудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады? 32Қудай, ҳәтте, Өз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳәммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳәмме нәрсени бермес пе екен? 33Қудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Қудайдың Өзи бизлерди ақлайды-ғо. 34Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби өлип, өлимнен қайта тирилген Масих Ийса Қудайдың оң жағында турып, бизлер ушын өтинбекте. 35Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Қыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қәўип те, қылыш та айыра алмайды. 36Мухаддес Жазыўда айтылғандай:

 

«Бизлер Сениң ушын ҳәр күни өлтирилмектемиз,
Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды»[35].

 

37Бирақ, булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз.
38Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де, 39бәлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды.

 

9

 

Қудай таңлаған Израил халқы

 

1Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, өтирик сөйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа: 2жүрегимде үлкен бир қайғым ҳәм таўсылмас бир дәртим бар. 3-4Қанымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Қудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим. Қудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Өз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳәм Қудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўәделерин де берген. 5Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳәм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳәммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың Өзи. Аўмийин.
6Мен Қудайдың сөзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳәммеси де ҳақыйқый израиллылар емес. 7Және де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Қудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман»[36], – деген еди. 8Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Қудайдың балалары емес. Ал Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады. 9Өйткени Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады»[37].
10Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳәмледар болып, егиз улларды туўды. 11-12Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳәм олар еле жақсы ямаса жаман бир нәрсе ислеместен бурын Қудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине хызмет етеди»[38], – деген еди. Солай етип, Қудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Өз ерки менен таңлап алды. 13Ҳәтте, Қудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек көрдим»[39], – деген.
14Олай болса, не деймиз? Қудай әдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан! 15Себеби Қудай Муўсаға былай деген:

 

«Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем,
Соған мийрим-шәпәәтимди беремен,
Кимге реҳим етиўди қәлесем,
Соған реҳим етемен»[40].

 

16Солай етип, таңланыў адамның қәлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Қудайдың мийрим-шәпәәтине байланыслы.
17Өйткени Қудай Мухаддес Жазыўда Фараонға[41] былай деген:

 

«Қүдиретимди сен арқалы көрсетиў ушын,
Атым пүткил жер жүзине жәрияланыўы ушын,
Сени мәртебели қылдым»[42].

 

18Солай етип, Қудай қәлеген адамына мийрим-шәпәәтин береди ҳәм қәлеген адамын тас баўыр қылады.
19Енди сен меннен: «Егер Қудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин. 20Бирақ, ҳәй адам, Қудайға қарсылық көрсететуғындай, сен кимсең? Дөретилген нәрсе өзин дөреткенге: «Мени неге бундай қылып дөреттиң?» – дей ме? 21Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин әпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22Қудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳәм Өзиниң ғәзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғәзебин төгип, күшин көрсетиўди қәлесе де, оларға үлкен сабырлылық көрсетти. 23Және де, Қудай мәртебеге еристириў ушын Өзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Өзиниң шексиз уллылығын көрсетти. 24Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Қудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз. 25Осия пайғамбардың китабында Қудай былай деген:

 

«Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп,
Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман»[43].
26«„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде,
Тири Қудайдың балалары деп аталасыз»[44].

 

27Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бәлент даўыс пенен былай дейди:

 

«Израил халқының саны теңиз қумындай көп болса да,
Олардан тек аз ғанасы[45] қутқарылады.
28Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин,
Жер жүзинде тез ҳәм толық әмелге асырады»[46].

 

29Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай:

 

«Егер Қүдиретли Ийемиз,
Бизлерден нәсил қалдырмағанда,
Бизлер Содом қаласы[47] сыяқлы болып,
Гомора қаласына уқсап қалар едик»[48].

 

Израил халқының исенбеўи

 

30Олай болса, не деймиз? Қудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары өз исеними арқалы ақланды. 31Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады. 32Не ушын? Өйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады. 33Мухаддес Жазыўда:

 

«Минекей, Мен Ерусалимде[49]бир тасты,
Сүрниктиретуғын ҳәм қулататуғын жартасты орнатаман.
Бирақ, Оған[50]исенген адам уятқа қалмайды»[51], – делинген.

 

10

 

1Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги әрманым ҳәм Қудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы. 2Олардың Қудайға инталы екенине өзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған. 3Себеби олар Қудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Қудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди.
4Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан[52], Оған исенген ҳәр бир адам Қудай алдында ақланады.

 

Исенген ҳәр бир адам қутқарылады

 

5Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды»[53]. 6Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“[54] 7ямаса: „Масихты өлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“[55] – деме». 8Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте?

 

«Қудайдың сөзи саған жақын,
Ол сениң аўзыңда ҳәм жүрегиңде»[56].

 

Бизлер жәриялап атырған исеним ҳаққында сөзлер – усылар болады.
9Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тән алсаң ҳәм Қудайдың Оны өлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң.
10Өйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳәм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тән алғаны арқалы қутқарылады.
11Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды»[57].
12Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳәммесиниң Ийеси бир. Ол Өзин шақырғанлардың ҳәммесине сақый.
13Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады»[58].
14Бирақ, Қудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Қудай ҳаққында сөзди жәриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады? 15Сөзди жәриялаўға жиберилмесе, оны қалай жәриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жәриялаўшылардың аяқлары қандай әжайып!»[59]
16Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳәммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?»[60] 17Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сөздиң жәрияланыўы арқалы болады. 18Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Әлбетте, еситти.

 

«Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине,
Сөзлери дүньяның төрт мүйешине жетип барды»[61].

 

19Мен және бир нәрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дәслеп Муўса арқалы Қудай былай деген еди:

 

«Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен,
Түсиниги аз болған халық арқалы ғәзебиңизди келтиремен»[62].

 

20Соңынан Ийшая пайғамбар Қудайдың сөзлерин батырлық пенен айтып:

 

«Мени излемегенлер тапты,
Мени сорамағанларға Өзимди көрсеттим»[63], – деген еди.

 

21Ал, Израил халқы ҳаққында Қудай былай дейди:

 

«Сөзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа,
Күни бойы қушағымды ашып турдым»[64].

 

11

 

Қудай Израил халқынан жүз бурған жоқ

 

1Олай болса, мен мына нәрсени сорап атырман: Қудай Өз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман. 2Қудай Өзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Қудайға шағым жасап былай деген еди: 3«Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды өлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де өлтириўге ҳәрекет етпекте»[65].
4Оған Қудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың[66] алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Өзим ушын ажыратып алдым»[67]. 5Сол сыяқлы, ҳәзирги ўақытта да израиллылар арасында Қудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар. 6Олар саўап ислери себепли емес, ал Қудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди. 7Солай етип, не жүз берди? Израил халқының көпшилик бөлеги излеген нәрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди. 8Мухаддес Жазыўда айтылғандай:

 

«Қудай оларға Өзиниң сөзин түсинбеўи ушын бийпәрўалық руўхын берди.
Сонлықтан олар усы күнге дейин,
Қөзлери болса да, көрмейди,
Қулақлары болса да, еситпейди»[68].

 

9Даўыт былай дейди:

 

«Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип,
Қақпанға алынсын ҳәм қулап, жазалансын.
10Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын.
Беллери аўырманлықтан мәңгиге бүгилип қалсын!»[69]

 

Басқа миллетлердиң қутқарылыўы

 

11Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Қудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳәм бул арқалы оларда қызғаныш оятты. 12Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли көп байлық алып келеди!
13Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен өз хызметимди мәртебели деп есаплайман. 14Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳәм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен. 15Өйткени олардың Қудай тәрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Қудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Қудай тәрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, өлимнен өмирге өтиўине себепши болмай ма? 16Егер қамырдың биринши бөлеги Қудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес.
17Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң, 18кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты. 19Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин. 20Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ! 21Себеби Қудай тәбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды.
22Солай етип, сен Қудайдың мийрим-шәпәәтин ҳәм қаталлығын көрип қой: Қудай исенимнен қайтқанларға[70] қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шәпәәтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шәпәәтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң! 23Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа және қайта жалғанады. Өйткени Қудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли. 24Жабайы зәйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тәбиятқа қарсы түрде жақсы зәйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тәбийғый шақалардың өз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!

 

Пүткил Израил қутқарылады

 

25Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бөлегиниң жүреги тас болып қала береди. 26Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген:

 

«Қудай Ийемиз былай дейди: „Қутқарыўшы Ерусалимнен[71] келеди,
Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27Олардың гүналарын кеширгенимде,
Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“»[72].

 

28Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Қудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Қудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди. 29Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды. 30Сизлер бир ўақытлары Қудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Қудайдың мийрим-шәпәәтине еристиңлер. 31Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳәзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерискениңиз себепли, олар да Қудайдың мийрим-шәпәәтине ериседи. 32Өйткени Қудай ҳәмме адамларды олардың бойсынбайтуғын тәбиятына тутқын қылып, оларға Өз мийрим-шәпәәтин көрсетти.
33О, Қудайдың байлығы, даналығы ҳәм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды!

 

34«Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады?
Ким Оған мәсләҳәтши болған?»[73]
35«Қудайдан қайтарып алыў ушын,
Ким Оған алдын ала бир нәрсе берген?»[74]

 

36Себеби Қудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳәммеси Ол арқалы ҳәм Ол ушын бар болған. Оған мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.

 

12

 

Өмириңизди Қудайға бағышлаңлар

 

1Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: өзлериңизди[75] Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы[76] хызметиңиз болады. 2Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
3Қудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳәммеңизге айтып атырман: өзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын. 4Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли. 5Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз. 6Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. 7Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин. 8Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин.
9Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар. 10Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге өз ара ҳүрмет көрсетиўге тырысыңлар. 11Интаңыз пәсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер. 12Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер. 13Мүтәжликте жасап атырған исениўшилер[77] менен барыңызды бөлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар. 14Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Қудайдан жақсылық тилеңлер. Ғарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер. 15Қуўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар. 16Өз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар. 17Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар. 18Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар.
19Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға[78] тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен»[79]. 20Керисинше:

 

«Душпаның аш болса, оны тойдыр,
Шөллеген болса, суў бер.
Сен усылай ислесең,
Оны уятқа қалдырасаң»[80].

 

21Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.

 

13

 

Ҳүкиметке бойсыныў ҳаққында

 

1Ҳәр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Өйткени Қудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳәммеси де Қудай тәрепинен орнатылған. 2Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Қудай орнатқан тәртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды. 3Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қәлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең. 4Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Қудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Өйткени ол қылышты бийкарға көтерип жүрген жоқ. Ол Қудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Қудайдың ғәзеби менен жазалайды. 5Сонлықтан тек Қудайдың ғәзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис. 6Сизлердиң салық төлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да өз иси менен бәрқулла бәнт болып, Қудайға хызмет етеди. 7Солай етип, ҳәр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳәм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет көрсетиңлер.

 

Сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў

 

8Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық өтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Өйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады. 9«Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме»[81], – деген буйрықлар ҳәм қалған барлық буйрықлар мына сөзлерде жәмленген: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»[82]. 10Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек.
11Ҳәзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дәслепки ўақытларға қарағанда, ҳәзир жақынырақ. 12Түн өтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық. 13Айшы-әширетке ҳәм мәскүнемликке, ҳарамылыққа ҳәм бузықшылыққа, жәнжел ҳәм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын әдепли өмир сүрейик. 14Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар[83] ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине бойсынбаңлар.

 

14

 

Ҳәлсиз ҳәм күшли исеним

 

1Исеними ҳәлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер. 2Мысалы: биреў ҳәмме нәрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳәлсиз болған тек палыз өнимлерин ғана жейди. 3Ҳәмме нәрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пәс көрмесин. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Өйткени Қудай екеўин де қабыл еткен. 4Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши өз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди.
5Және де, биреў бир күнди басқа күннен әҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳәмме күн бирдей. Ҳәр бир адам өз көз қарасында толық исенимге ийе болсын. 6Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳәмме нәрсени жейтуғын адам Қудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳәм Қудайға шүкирлик етеди.
7Өйткени ҳеш биримиз тек өзимиз ушын жасамаймыз ҳәм ҳеш биримиз де тек өзимиз ушын өлмеймиз. 8Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз. 9Усы мақсетте Масих өлип, өлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол өлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды.
10Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пәс көресең? Ҳәммемиз де Қудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо. 11Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди:

 

«Тирилигим ҳақы ант ишемен:
Ҳәр бир адам[84] Мениң алдымда дизе бүгеди.
Ҳәр бир адам[85] Мениң Қудай екенимди ашық тән алады»[86].

 

12Солай етип, ҳәр бир адам өзи ушын өзи Қудай алдында жуўап береди.

 

Туўысқаныңызды азғырыўға салмаңлар

 

13Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳәм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар. 14Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳәм анық исенемен: ҳеш бир нәрсе өзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нәрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нәрсе ҳарам болады. 15Егер туўысқаның сен жейтуғын нәрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нәрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да өлген-ғо. 16Сизлер жақсы деп есаплаған нәрсеге сөз келмесин. 17Өйткени Қудайдың Патшалығы жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат. 18Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Қудайға унайды ҳәм ол адамлардың мақтаўына ылайық.
19Солай етип, өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық. 20Жейтуғын нәрсе себепли, Қудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳәмме нәрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нәрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады. 21Гөш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нәрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс. 22Булар бойынша исенимиңди өзиң менен Қудайдың арасында сақла. Өзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, өзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы! 23Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳәр бир ис – гүна.

 

 

Павелдиң жуўмақлаўшы сөзлери

 

24Мен жәриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Өзи әййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Қудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе. 25Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳәзир ашылып, мәңги жасайтуғын Қудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мәлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Қудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды. 26Жалғыз ҳәм дана Қудайға Ийса Масих арқалы мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.

 

15

 

Исениўшилер арасындағы қатнасықлар ҳаққында

 

1Исеними күшли болған бизлер тек өзимиздиң мәпимизди ойламай, исеними ҳәлсиз болғанлардың ҳәлсизликлерин көтерисиўге парызлымыз. 2Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық. 3Өйткени Масих та Өзиниң мәпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сөзлери Маған тийди»[87]. 4Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз. 5Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин. 6Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар.
7Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер. 8Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Қудайдың яҳудийлердиң[88] ата-бабаларына берген ўәдесин әмелге асырып, Оның садық екенин көрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды. 9Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳәм Сениң атыңды жырлайман»[89], – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, Қудайды алғыслаўы ушын иследи. 10Мухаддес Жазыўда және де:

 

«Ҳәй, басқа миллетлер, Қудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!»[90] – делинген.

 

11Тағы да былай делинген:

 

«Ҳәй, барлық басқа миллетлер,
Қудай Ийемизди алғыслаңлар!
Ҳәмме халықлар Оны мақтаңлар!»[91]

 

12Ийшая пайғамбар да былай дейди:

 

«Ишайдың[92] урпағынан бири келип,
Басқа миллетлерди басқарады.
Олар Оннан үмит етип жасайды»[93].

 

13Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын.

 

Павелдиң елшилик хызмети

 

14Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳәм ҳәр түрли билимге бай екениңизге, әсиресе бир-бириңизге ақыл-нәсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен. 15Бирақ, Қудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым. 16Мен Қудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Қудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Қудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жәриялап атырман.
17Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайға деген хызметим менен мақтана аламан. 18Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Қудайға бойсыныўы ушын, сөзлерим ҳәм ис-ҳәрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нәрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди: 19бул ислер кәраматлы белгилердиң ҳәм таң қаларлық нәрселердиң күши менен, және де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик[94] үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳәмме жерге жәрияладым. 20Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жәриялаўға тырыстым. 21Мухаддес Жазыўда айтылғандай:

 

«Оннан хабарсыз болғанлар көреди,
Еситпегенлер түсинеди»[95].

 

Павелдиң Римге барыўға қарар етиўи

 

22Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған көп мәртебе иркиниш жасады.
23Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нәрсе қалмады. Және де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли, 24Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Өтип баратырғанымда алды менен сизлерди көрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жәрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен. 25Ал ҳәзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге[96] жәрдем бермекшимен. 26Өйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер[97] арасындағы мүтәжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жәрдем етиўди мақул көрди. 27Аўа, мақул көрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби өзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бөлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жәрдем берип, хызмет етиўге парызлы. 28Солай етип, жыйналған ғәрежетти[98] оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жөнекей сизлер менен дийдар көрисип, Испанияға кетемен. 29Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен.
30Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Қудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар. 31Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳәм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер[99] қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер. 32Және де, Қудай қәлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар. 33Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.

 

16

 

Арнаўлы сәлемлер

 

1Кенхреядағы исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман. 2Оны мухаддеслерге минәсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Және де, оның қандай мүтәжлиги болса да, жәрдем етиңлер. Өйткени ол да көп адамларға, соның ишинде маған жәрдемши болды.
3Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳәм Акилаға сәлем айтыңлар. 4Олар мениң жаным ушын өз өмирин қәўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳәмме исениўши жәмәәтлери де оларға миннетдар. 5Олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем айтыңлар. Азия үлкесинен[100] биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сәлем айтыңлар. 6Сизлер ушын көп мийнет еткен Мәриямға сәлем айтыңлар. 7Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим[101] ҳәм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сәлем айтыңлар.
8Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сәлем айтыңлар. 9Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳәм сүйикли туўысқаным Стахияға сәлем айтыңлар. 10Сынақтан өтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сәлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сәлем айтыңлар. 11Ағайиним[102] Иродионға сәлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сәлем айтыңлар. 12Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳәм Трифосқа сәлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында көп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сәлем айтыңлар. 13Ийемиз тәрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳәм мен ушын анамдай болған оның анасына сәлем айтыңлар. 14Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳәм олардың жанындағы туўысқанларға сәлем айтыңлар. 15Филологус ҳәм Юлияға, Нирей ҳәм оның қарындасына, Олимпасқа ҳәм олардың жанындағы барлық исениўшилерге[103] сәлем айтыңлар. 16Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сәлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳәмме жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр.
17Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, өзлериңизге үйретилген тәлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳәм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер. 18Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал өз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳәм жағымпазлық сөзлери менен алдайды. 19Сизлердиң Қудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳәммеге мәлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳәм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қәлеймен. 20Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
21Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим[104] Лукий, Ясон ҳәм Сосипатер сизлерге сәлем айтып атыр.
22Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сәлем жоллайман.
23-24Мен ушын ҳәм пүткил исениўшилер жәмәәти ушын өз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сәлем айтып атыр. Және де, қала қазнашысы Ерастус ҳәм туўысқанымыз Куартус сизлерге сәлем айтып атыр. [105]

 

 

 

 

Коринфлилерге 1

Коринфлилерге жазылған биринши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Ефес қаласында, өзиниң үшинши сапарының ўақтында Коринф қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған еди.
Коринф – Грецияның қубла тәрепинде жайласқан Ахая үлкесиниң бас қаласы болып, үлкен саўда-сатық орайы еди. Қала халқы грек философиясы менен қызығатуғын ҳәм даналықты жоқары баҳалайтуғын еди. Қалада бутларға салынған ибадатханалар бар еди. Олардың ишиндеги ең белгили болғаны, муҳаббат қудайы Афродитаға арнап салынған ибадатхана еди. Сол себептен қалада бузықшылық ҳәўиж алған еди.
Бул қаладағы исениўши жәмәәт Павел арқалы оның екинши сапарының ўақтында пайда болған еди. Қала турғынлары қандай жәмийетте жасаўына қарамастан, Павел айтқан Хош Хабарды еситкеннен соң Қудайға келип, ҳәр түрли руўхый сыйларға ийе болды.
Бирақ, Павел кеткеннен кейин олардың арасында бөлиниўлер, бузықшылық, тартыслар, бутқа сойылған қурбанлықтың гөшин жеў ҳәм өз ара даўлар сыяқлы, көп машқалалар пайда болған еди. Сол себепли айырым жетекшилер Павелден ақыл-нәсият сорағанлықтан, Павел оларға бул хатты жазып жиберген еди. Павел хатында сол машқалаларды шешиў бойынша жол-жорықлар береди ҳәм машқалаларды Хош Хабарға тийкарланып, сүйиспеншилик пенен шешиў кереклигин айтады.

 

1

 

Сәлемнама ҳәм Қудайға шүкирлик билдириў

 

1Қудайдың қәлеўи менен Масих[1] Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен, 2Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз. 3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4Қудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. 5Өйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар. 6Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды. 7Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан[2] кемшилик көрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер. 8Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады. 9Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық.

 

Коринф жәмәәтиндеги бөлиниўлер ҳаққында

 

10Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер. 11Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим. 12Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға[3] тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13Масих бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған[4] ба едиңиз? 14Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен. 15Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды. 16Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман. 17Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сөзлерге тийкарланбай жәрияладым.

 

Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм даналығы

 

18Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети. 19Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген:

 

«Даналардың даналығын жоқ етемен,
Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман»[5].

 

20Олай болса, дана адам қәне? Алым[6] қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма? 21Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди. 22Яҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди. 23Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди. 24Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы. 25Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди. 27Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады. 28Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады. 29Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи. 30Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды. 31Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын»[7].

 

2

 

Атанаққа шегеленген Масих ҳаққында жәриялаў

 

1Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын[8] жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым. 2Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим. 3Мен сизлерге ҳәлсизлик, қорқыныш ҳәм қатты дирилди менен бардым. 4Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сөзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың[9] Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди. 5Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.

 

Мухаддес Руўх беретуғын Қудайдың даналығы

 

6Деген менен, бизлер[10] руўхый жетискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес. 7Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди. 8Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди. 9Мухаддес Жазыўда айтылғандай:

 

«Көз көрип, қулақ еситпеген,
Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди,
Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты»[11].

 

10Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи. 11Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды. 12Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик. 13Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз[12].
14Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды. 15Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.

 

16«Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады?
Оған ким ақыл бере алады?»[13]

 

Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.

 

3

 

Қудайдың хызметкерлери ҳаққында

 

1Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей, сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей, сөйледим. 2Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңиз. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар. 3Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме? 4Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған. 6Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди. 7Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли. 8Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады. 9Бизлер Қудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысыз.
10Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын. 11Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды. 12Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады. 13Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди. 14Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады. 15Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме? 17Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз.
18Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын. 19Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди»[14]. 20Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи»[15], – деп жазылған. 21Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли: 22Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли. 23Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Қудайға тийисли.

 

4

 

Масихтың елшилериниң хызмети ҳаққында

 

1Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳәм Қудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын. 2Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нәрсе – садықлық. 3Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын әҳмийетли емес. Ҳәтте, мен өзим де өзимди ҳүким етпеймен. 4Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Өзи. 5Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нәрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нәрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып көрсетеди. Сонда ҳәр бир адам Қудайдан өзине ылайық мақтаў алады.
6Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен өзимди ҳәм Аполосты мысал етип көрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳәм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим. 7Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?
8Сизлер енди керекли ҳәмме нәрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Қәне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик! 9Мениң ойымша, Қудай биз елшилерди ең әҳмийетсиз адамлар қылып, ҳәммениң көз алдына шығарды. Бизлер өлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық. 10Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳәлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз! 11Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳәм шөлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз. 12Өз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нәлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Қуўдалансақ, шыдаймыз. 13Масқаралағанда, мүләйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық.
14Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман. 15Өйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, әкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жәриялаўым арқалы мен сизлердиң әкеңиз болдым. 16Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар. 17Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
18Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти. 19Бирақ, Ийемиз қәлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сөзлерин емес, ал оларда Қудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап көремен. 20Себеби Қудайдың Патшалығы сөзден емес, ал Қудайдың күшинен ибарат. 21Сизлер нени қәлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳәм мүләйимлилик пенен бе?

 

5

 

Бузықшылық ислегенге шара көриў ҳаққында

 

1Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳәтте, Қудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз әкесиниң ҳаялы, яғный өгей анасы менен жасайтуғын қусайды. 2Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди?
3Мениң өзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан өзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым. 4Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады. 5Сонда бул адамның гүнакар тәбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жәмәәттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың.
6Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме?[16] 7Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Өйткени Қутқарылыў байрамының[17] Қозысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди. 8Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳәм жаманлық пенен емес, ал пәклик ҳәм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық.
9Мен өз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим. 10Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нәпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нәзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мәжбүр болар едиңлер! 11Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим. 12Исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жәмәәтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек. 13Ал исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды Қудайдың Өзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар»[18].

 

6

 

Исениўши адамлар арасындағы даўлар ҳаққында

 

1Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер[19] алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады? 2Келешекте биз исениўшилердиң[20] дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме? 3Бизлер, ҳәтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сөзсиз-ғо. 4Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жәмәәтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды төреши қыласызлар ма? 5Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма? 6Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады!
7Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының өзи сизлер ушын қатты уят нәрсе. Оннан гөре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди? 8Сизлер оның орнына өзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, өзиңиздиң туўысқаныңыз.
9Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, 10урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 11Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.

 

Бузықшылықтан аўлақ болыңлар!

 

12Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нәрсе де мени қул қылмаўы керек. 13«Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады. 14Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди. 15Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан! 16Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо[21]. 17Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады.
18Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди. 19Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз. 20Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар.

 

7

 

Неке ҳаққында

 

1Енди сизлер жазған нәрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы. 2Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳәр бир ер адамның өз ҳаялы ҳәм ҳәр бир ҳаялдың өз күйеўи болсын. 3Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын. 4Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. 5Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар. 6Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман. 7Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қәлеймен. Бирақ, ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.
8Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳәм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, өзлери ушын жақсы болады. 9Бирақ, өзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Өйткени жынысый қәлеўлер себепли күйип-жанғаннан гөре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.
10Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын[22]. 11Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я өз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.
12Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын. 13Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын. 14Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Қудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Қудайдың панасында[23].
15Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Қудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды. 16Ҳәй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳәй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.
17Ҳәр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жәмәәтлерге буйыраман. 18Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин. 19Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес. Ал әҳмийетлиси – Қудайдың буйрықларын орынлаў. 20Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын. 21Қул болып шақырылдың ба? Қапа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан! 22Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады. 23Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар. 24Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Қудай алдында сол жағдайда қалсын.

 

Турмысқа шықпаған қызлар ҳәм жесир ҳаяллар ҳаққында

 

25Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шәпәәтин алған исенимли адам сыпатында мен өз пикиримди айтаман. 26Мениң ойым бойынша, ҳәзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы. 27Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда өзиңе ҳаял излеме. 28Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар өмирде қыйыншылық көреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қәлеймен. 29Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қәлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын. 30Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай, 31дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Өйткени бул дүнья өткинши.
32Мен сизлердиң ғам-тәшиўишсиз болғаныңызды қәлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. 33Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 34Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳәм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды. 35Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нәрсеге алаң болмай, Ийемизге өзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳәм ылайықлы түрде жасаўыңызды қәлеймен.
36Егер ким де ким өз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да өтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қәлегенин ислесин. Қызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды. 37Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳәм усы нийетинде беккем турып, буны мәжбүрий түрде емес, ал өз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады. 38Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады.
39Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын[24]. 40Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳәм менде де Қудайдың Руўхы бар деп ойлайман.

 

8

 

Бутларға берилген қурбанлықтың гөши ҳаққында

 

1Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық.
Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди. 2Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады. 3Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи.
4Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес ҳәм жалғыз Қудайдан басқа қудай жоқ. 5Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды. 6Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды. 8Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз. 9Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын. 10Егер исеними[25] ҳәлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды көрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеўи туўылмай ма? 11Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо. 12Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар. 13Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен.

 

9

 

Елшиниң ҳуқықлары

 

1Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе? 2Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Өйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дәлилисизлер.
3Мени сынға алып атырғанлардан өзимди былай қорғайман: 4сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар-ғо. 5Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳәм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо. 6Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо. 7Ким өз есабынан әскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?
8Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па? 9Онда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма»[26], – деп жазылған-ғо. Қудай тек өгизлерди қайғырады ма? 10Қудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, әлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да өз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди. 11Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба? 12Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да көбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳәмме нәрсеге шыдап атырмыз. 13Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мәлим, қурбанлық шалынатуғын орын әтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нәрселерден өз үлесин алады. 14Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жәриялаўшылар усы хызмети арқалы күн көрсин деп буйырған.
15Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гөре, өлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман! 16Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен! 17Егер мен Хош Хабарды өз ықтыярым менен жәриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны өз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам, 18онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жәриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жәриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.
19Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, көп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳәммениң қулы болдым. 20Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, өзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым. 21Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Қудайдың Нызамына жат адам емеспен, өйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман. 22Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым. 23Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳәммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.
24Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар. 25Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз. 26Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман. 27Ал, басқаларға Хош Хабарды жәриялап, өзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, өзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.

 

10

 

Израил халқының тарийхынан сабақ алыңлар!

 

1Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: Қудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳәммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип өткизди. 2Олардың ҳәммеси булт астында ҳәм теңизде суўға шомылдырыў рәсиминен өткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды. 3Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты[27] жеди. 4Және де, олардың ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей суўды[28] ишти. Себеби олар өзлери менен бирге болған кәраматлы жартастан[29] суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди. 5Деген менен, олардың көбисине Қудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шөлде қалды.
6Израиллылар сыяқлы жаман нәрселерди қәлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди. 7Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти»[30]. 8Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды. 9Олардың базылары сыяқлы Ийемизди[31] сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып өлтирген еди[32]. 10Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште өлтирген еди[33].
11Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳәм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды. 12Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын! 13Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.

 

Бутпаразлық ҳаққында

 

14Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар! 15Мен сизлерге ақыллы адамларға сөйлегендей, сөйлеп атырман. Сөзлеримди өзлериңиз ақылға салып көриңлер. 16Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба? 17Нан бир болғанлықтан, бизлер көп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳәммемиз бир нанды бөлисемиз. 18Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма? 19Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир әҳмийети бар ма? 20Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Қудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қәлемеймен. 21Сизлер ҳәм Ийемиздиң кесесинен, ҳәм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Және де, ҳәм Ийемиздиң дастурханына, ҳәм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар. 22Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?

 

Ҳәр бир ис-ҳәрекетиңиз арқалы Қудайды даңққа бөлеңлер!

 

23Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де исенимди жетилистирмейди. 24Ҳәр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин. 25Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳәр қандай гөштиң қандай гөш екенин сорамастан жеңлер. 26Өйткени: «Жер жүзи ҳәм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли»[34].
27Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳәм сен де барыўды қәлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳәр бир нәрсени сорамастан же. 28Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гөши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳәм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме. 29Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нәзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек? 30Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?
31Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер. 32Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Қудайдың жәмәәтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар. 33Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.

 

11

 

1Мениң Масихтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар.

 

Жәмәәт жыйналысында орамал тартыў ҳаққында

 

2Мени ҳәр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дәстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман. 3Бирақ, мен мына нәрсени де билиўиңизди қәлеймен: ҳәр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи[35], ал Масихтың басы Қудай. 4Жәмәәт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ер адам өз басын[36] бийабырай қылады. 5Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ҳаял өз басын[37] бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды. 6Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек. 7Ер адам басын жаппасын. Өйткени ер адам Қудайға усатып жаратылған ҳәм Оның даңқын көрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын көрсетеди. 8Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды. 9Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды. 10Сонлықтан ҳәм периштелер себепли, ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын басын жабыўы керек.
11Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың өмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғәрезли. 12Өйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳәммесин Қудай жаратқан. 13Өзлериңиз ақыл жуўыртып көриңлер: ҳаялдың Қудайға басын жаппай дуўа етиўи әдепке жата ма? 14Мәдениятыңыздың өзи узын шаш ер адам ушын уят екенин, 15бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген. 16Бул ҳаққында тартысыўды қәлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Қудайдың жәмәәтлеринде де буннан басқа әдет жоқ.

 

Ийемизди еслеў кешеси ҳаққында

 

17Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: өйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гөре, зыяны көп. 18Бириншиден, жәмәәтте жыйналғаныңызда араңызда бөлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен. 19Себеби, әлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳәр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.
20Сизлер бөлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мәнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды. 21Өйткени ҳәр ким өзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мәс болады. 22Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Қудайдың жәмәәтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!
23Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да, 24шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». 25Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар». 26Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар.
27Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады. 28Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин. 29Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады. 30Сол себептен араңыздағы көплериңиз ҳәлсиз ҳәм аўырыўсыз, өлип қалған адамлар да көп болды. 31Егер бизлер өз-өзимизди тексерип көргенимизде, Қудай тәрепинен ҳүким етилмеген болар едик. 32Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тәрбиялайды.
33Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер. 34Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Қудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мәселелерге келсек, олар бойынша өзим барғанымда жол-жорық беремен.

 

12

 

Руўхый сыйлар ҳаққында

 

1Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен. 2Сизлерге мәлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер. 3Сонлықтан мына нәрсени билиўиңизди қәлеймен: Қудайдың Руўхының басқарыўында сөйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нәлет жаўсын», – деп айтпайды. Және де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў. 5Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз. 6Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз. 7Пүткил исениўшилер жәмәәтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди. 8Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин, 9сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, 10биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў[38], биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сөйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди. 11Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди.
12Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң көп мүшелери бар ҳәм мүшелер көп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жәмәәти де сондай. 13Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳәммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң ҳәммемизге бир Мухаддес Руўхты берди[39].
14Дене бир емес, ал көп мүшелерге ийе. 15Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 16Егер қулақ: «Көз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды. 17Егер пүткил дене көз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады? 18Сонлықтан Қудай ҳәр бир мүшени денеге Өз қәлеўи бойынша жайластырып қойыпты. 19Егер мүшелердиң ҳәммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди? 20Ал ҳақыйқатында, мүшелер көп болса да, дене биреў.
21Көз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды. 22Керисинше, денениң ҳәлсизирек көринген мүшелери анағурлым әҳмийетлирек болады. 23Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине көбирек ғамхорлық көрсетемиз. Көриксиз мүшелеримизге көбирек сән беремиз. 24Ал көрикли мүшелеримиз буған мүтәж емес. Солай етип, Қудай әҳмийетсиз болған мүшелеримизге әҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады. 25Буны Ол денеде бөлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық көрсетсин деп иследи. 26Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мәртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳәр бириңиз өз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз. 28Қудай исениўшилер жәмәәтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды[40], үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кәрамат көрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жәрдем бериўшилерди, жақсы шөлкемлестириўшилерди ҳәм басқа тиллерде сөйлейтуғынларды тайынлады. 29Ҳәммеси елши ме? Ҳәммеси пайғамбар ма? Ҳәммеси муғаллим бе? Ҳәммеси кәрамат көрсетиўши ме? 30Ҳәммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳәммеси басқа тиллерде сөйлей ме? Ҳәммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес! 31Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар.
Енди мен сизлерге ең жақсы жолды көрсетемен:

 

13

 

Сүйиспеншилик ҳаққында

 

1Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады. 2Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен. 3Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
4Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. 5Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды. 6Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады. 7Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.
8Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады. 9Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес. 10Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады. 11Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым. 12Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.
13Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.

 

14

 

Басқа тиллерде сөйлеў сыйы ҳәм пайғамбаршылық айтыў сыйы ҳаққында

 

1Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў[41] сыйын алыўға тырысыңлар. 2Себеби басқа тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады. 3Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди. 4Басқа тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди. 5Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң басқа тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ.
6Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сөзин, я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди? 7Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди? 8Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады? 9Сол сыяқлы, сизлер де басқа тилде сөйлеп, түсиниксиз сөзлерди айтсаңыз, сөйлеген сөзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сөйлегендей боласызлар-ғо! 10Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе. 11Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады. 12Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар.
13Сонлықтан ким де ким басқа тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин. 14Өйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен. 15Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек. 16Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди? 17Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды. 18Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, басқа тиллерде көбирек сөйлеймен. 19Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде басқа тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ.
20Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар. 21Мухаддес Жазыўда былай делинген:

 

«Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы,
Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен.
Олар сонда да Мени тыңламайды“»[42].

 

22Солай етип, басқа тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық[43] исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады. 23Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте басқа тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме? 24Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳәмме тәрепинен оның гүнасы әшкара етилип, ол ҳәмме тәрепинен ҳүким қылынады. 25Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады.

 

Жәмәәт жыйналысындағы тәртип ҳаққында

 

26Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин. 27Басқа тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин. 28Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин. 29Пайғамбаршылық айтыўшылардың да[44] екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин. 30Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын. 31Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады. 32Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады[45]. 33Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы.
Барлық исениўшилердиң[46] жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы, 34сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек. 35Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени айып болады.
36Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма? 37Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин. 38Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды.
39Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар. 40Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин.

 

15

 

Масихтың қайта тирилиўи ҳаққында

 

1Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар. 2Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.
3Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди[47]. 4Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди[48]. 5Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди. 6Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды. 7Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди. 8Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди. 9Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. 10Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти. 11Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.

 

Өлилердиң тирилиўи ҳаққында

 

12Масих өлимнен қайта тирилди, деп жәриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар өлимнен тирилиў жоқ дейди? 13Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. 14Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады. 15Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масихты тирилтпеген болады. 16Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады. 17Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар. 18Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады. 19Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
20Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилди! Ол өлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы өлилердиң тирилетуғынын дәлилледи. 21Бир адам арқалы өлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы өлимнен тирилиў келди. 22Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат өлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, өмирге ериседи. 23Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи. 24Буннан кейин, Масих ҳәр бир ҳәкимшиликти, ҳәр бир бийликти ҳәм қүдиретти сапластырып, патшалықты Әкемиз Қудайға тапсырғанда, ақырзаман болады. 25Себеби Қудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис. 26Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – өлим болады. 27Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Қудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген[49]. Бирақ, бул «барлығын» деген сөздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Қудай нәзерде тутылмағаны анық. 28Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Өзине бойсындырған Қудайға бойсынады. Усылай етип, Қудай ҳәмме нәрсе үстинен толық бийлик жүргизеди.
29Егер қайта тирилиў жоқ болса, өлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Өлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен өлилер ушын суўға шомылдырылады? 30Және де, бизлер не ушын ҳәр саат сайын өзимизди қәўип астына қоямыз? 31Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳәр күни өлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман. 32Егер адамлардың ойы бойынша өлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар[50] менен гүресип, өлим қәўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер өлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең өлемиз-ғо!»[51] 33Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады. 34Есиңизди жыйып, өзиңизге келиңлер ҳәм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Қудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.

 

Тирилген дене ҳаққында

 

35Бирақ, биреў: «Өлилер қалай тириледи? Қандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин. 36Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың өлмесе, көгерип шықпайды-ғо. 37Сен еккениңде, көгерип турған өсимликти[52] емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир өсимликтиң туқымын егесең. 38Қудай туқымға Өз қәлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳәр бирине өз алдына бир дене береди. 39Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳәм балықлардың денеси басқа болады. 40Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа. 41Қуяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады.
42Өлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене көмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи. 43Дене хорлық пенен көмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳәлсиз болып көмиледи, күшли болып тириледи. 44Тәбийғый дене көмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тәбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар. 45Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды»[53]. Ал соңғы Адам – Ийса Масих өмир бериўши руўх болды. 46Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тәбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди. 47Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам[54] аспаннан келди. 48Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады. 49Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз.
50Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тәбийғый денемиз Қудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мәңгилик өмирге ерисе алмайды[55]. 51Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳәммемиз шетимизден өлмеймиз, бирақ ҳәммемиз өзгеремиз. 52Бирден көзди ашып-жумғанша, соңғы кәрнай шалынғанда, өзгерип кетемиз. Аўа, кәрнай шалынғанда, өлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де өзгерип кетемиз. 53Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын дене болып өзгериўи тийис. 54Ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын болып өзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сөзлер иске асады:

 

«Өлим жоқ етилди, ол жеңилди!»[56]
55«Ҳәй өлим, жеңисиң қәне?
Ҳәй өлим, уўлы ийнең қәне?»[57]

 

56Өлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна өз күшин Мухаддес Нызамнан алады. 57Бирақ, Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди.
58Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.

 

16

 

Мүтәжликте жасап атырған исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында

 

1Енди исениўшилерге[58] берилетуғын ақшалай жәрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге тапсырғанымдай ислеңлер. 2Ҳәр екшемби күни[59] ҳәр бириңиз өз жағдайына қарап, ақшаны бөлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зәрүрлиги болмайды. 3Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы көрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен. 4Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.

 

Павелдиң жобалары

 

5Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен. 6Қасыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳәтте, сизлер менен қысты да бирге өткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жәрдем етерсиз. 7Мен бул сапары сизлерди жол-жөнекей көрип кетиўди қәлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен. 8Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына[60] дейин қалажақпан. 9Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол[61] ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп.
10Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди. 11Сонлықтан оны ҳеш ким пәс көрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Өйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман.
12Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан көп өтинген едим. Бирақ, ол ҳәзир сизлерге барыўды ҳеш қәлемей атыр. Қолайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.

 

Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары

 

13Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мәрт ҳәм жигерли болыңлар. 14Ҳәр бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.
15Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳәм өзлерин исениўшилердиң[62] хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден өтиниш, туўысқанларым: 16сизлер де усындай адамларға ҳәм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳәммесине бойсыныңлар. 17Мен Степанның, Фортунатустың ҳәм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды. 18Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да көтерди. Бундай адамлардың қәдирин билиңлер.

 

Соңғы сәлемнама

 

19Азия үлкесиндеги[63] жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳәм олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге көп-көп сәлем айтып атыр. 20Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер.
21Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. 22Ийемизди сүймейтуғын адамға нәлет болсын! О Ийемиз, келе-гөр![64] 23Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! 24Мен сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.

 

 

 

 

Коринфлилерге 2

Коринфлилерге жазылған екинши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Коринфтеги исениўши жәмәәтке жазған.
Павел бул хаттан бурын Коринфтеги исениўши жәмәәтке хатлар жибергенде, олардың қәте-кемшиликлерин әшкаралап, ақыл-нәсият бергенде, көп исениўшилер оған қулақ асып, тәўбе еткен еди. Деген менен, олардың арасындағы айырым адамлар Павелдиң сөзлерин тыңламай, кеңеслерине бийпәрўа қараған еди. Және де, усы адамлар жалған елшилердиң сөзине ерип, Павелдиң ҳақыйқаттан елши екенине гүман туўғызған ҳәм оны ҳәр түрли сөзлер менен айыплаған еди.
Павел бул хатында ескертиўлерине қулақ асқан исениўшилерди мақтап, олардың өзгергени себепли, өз қуўанышын билдиреди. Павел хатында өзиниң хызмети ҳәм елши сыпатында бийликке ийе екени ҳаққында да оларға гүўалық береди ҳәм мүтәжликте жасап атырған Ерусалимдеги исениўшилерге жиберилетуғын ақшалай жәрдемди таярлап қойыўды тапсырады. Хаттың кейинги бапларында Павел Коринфтеги исениўшилер менен өзиниң арасындағы қатнасты бузып атырған жалған елшилерге қулақ аспаўды ҳәм дурыс тәлийматқа тийкарланыўды исениўшилерге қатаң ескертеди.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Қудайдың қәлеўи менен Масих[1] Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине ҳәм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге[2] сәлем!
2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Қудай толық жубаныш береди

 

3Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. 4Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. 5Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли көп шексек, Қудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди. 6Бизлер көрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳәм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер өзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар. 7Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Өйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз.
8Туўысқанларым, Азия үлкесинде[3] көрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик. 9Ишимизден өзимизди өлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул өзлеримизге емес, ал өлилерди тирилтетуғын Қудайға сүйениўимиз ушын болды. 10-11Қудай бизлерди усындай үлкен өлим қәўпинен қутқарды ҳәм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жәрдеминде Қудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Көп адамлардың еткен дуўаларына Қудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, көплер бизлер ушын Қудайға шүкирлик билдиреди.

 

Павелдиң сапарының өзгериў себеби

 

12Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳәм пәк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нәрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, әсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Қудайдың мийрими менен, Қудайдан келген ҳадаллық[4] ҳәм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық. 13-14Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
15Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бөленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим. 16Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим. 17Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қәлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма? 18Мен Қудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сөйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық. 19Бизлер тәрепимизден, яғный мен тәрепимнен, Сила[5] ҳәм Тимофей тәрепинен сизлерге жәрияланған Қудайдың Улы Ийса Масих ҳәм «аўа», ҳәм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар. 20Қудайдың барлық ўәделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Қудайдың даңққа бөлениўи ушын, Масих арқалы Қудайға «аўмийин» деймиз. 21Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳәм бизлерди хызметке тайынлаған Қудайдың Өзи болады. 22Ол бизлерди мөрлеп тамға басты ҳәм буның дәлили сыпатында Мухаддес Руўхты[6] жүрегимизге жайластырды.
23Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Қудайдың Өзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим. 24Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.

 

2

 

1Солай етип, сизлерди және қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим. 2Өйткени егер мен сизлерди және қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Өзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди көтереди? Әлбетте, ҳеш ким! 3Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳәммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим. 4Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, көз жасларымды төгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.

 

Гүна ислеген адамды кешириў ҳаққында

 

5Егер араңызда бир адам[7] басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дәрежеде сизлердиң ҳәммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан. 6Бул адамға сизлердеги көпшилик тәрепинен берилген жаза жетерли болады. 7Солай етип, ол ҳәдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады. 8Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеўиңизди өтиниш етемен. 9Ҳәр бир исте сөзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим. 10Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим. 11Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пәнт бериўине жол қоймайық. Өйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз.

 

Жаңа Келисимниң хызметшилери

 

12Мен Масихтың Хош Хабарын жәриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған көп мүмкиншилик берген еди. 13Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим[8].
14Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бәрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳәм бизлер арқалы ҳәмме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады. 15Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Қудайға бағышлаған хош ийисимиз. 16Бизлер Хош Хабарды жәриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын өлимге апаратуғын өлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын өмир беретуғын өмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ! 17Өйткени өз пайдасы ушын Қудайдың сөзин сатып беретуғын көп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Қудай тәрепинен жиберилген ҳәм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Қудай алдында ҳақ кеўил менен жәриялаймыз.

 

3

 

1Бизлерди және өзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге көрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға көрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтәжбиз бе? 2Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде[9] жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳәм оқыйды. 3Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық көрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Қудайдың Руўхы менен жазылды ҳәм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды.
4Бизлер Масих арқалы Қудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз. 5Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген. 6Қудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам өлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх өмир береди.

 

Жаңа Келисимниң уллылығы

 

7Тасқа ойып жазылған ҳәриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан өткинши нурға қарай алмаған еди[10]. Өлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса, 8онда өмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым көп уллылыққа ийе емес пе? 9Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гөре қаншелли уллырақ болады! 10Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам өз уллылығын жойтты. 11Солай етип, өткинши болған нәрсе уллы болса, мәңги қалатуғын нәрсе оннан да уллырақ.
12Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сөйлей аламыз. 13Бизлер жүзиндеги өшип баратырған нурды Израил халқына көрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз. 14Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳәтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Өйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады. 15Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди. 16Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады. 17Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар. 18Бизлердиң ҳәммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жәрдеминде иске асады.

 

4

 

Ылай ыдыслардағы ғәзийне

 

1Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Қудайдың мийрим-шәпәәти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз. 2Бизлер жасырын ҳәм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳәрекет қылмаймыз. Қудайдың сөзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы өзимизди Қудай алдында ҳәр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз. 3Егер бизлер жәриялап атырған Хош Хабар жабық болса[11], ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады. 4Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масихтың даңқын билдиреди. 5Бизлер[12] өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз. 6Себеби «Қараңғылықтан нур жарқырасын»[13], – деп буйырған Қудай Масихтың жүзинде жарқыраған Өзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды.
7Биз елшилер усы ғәзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур. 8Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. 9Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз. 10Ийсаның өмири денемизде ашық көринсин деп, бизлер бәрқулла азап шегип, Ийсаның өлимине шерик боламыз. 11Өйткени Ийсаның өмири бизиң өлетуғын денемизде ашық көринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын өлим қәўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз. 12Солай етип, бизлердиң өлим қәўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мәңгилик өмирге ерисип атырсызлар.
13Забурда: «Мен исендим ҳәм соның ушын сөйледим»[14], – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳәм сонлықтан сөйлеймиз. 14Себеби Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳәм сизлер менен бирликте Өзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз. 15Булардың ҳәммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Қудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де көп адамларға жетип барыўы арқалы Қудайға көп шүкирликлер айтылады ҳәм Ол даңққа бөленеди.

 

Өткинши қыйыншылықлар ҳәм мәңгилик даңқ

 

16Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң көринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. 17Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди. 18Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылықларға емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын нәрселер өткинши, ал көзге көринбейтуғын нәрселер мәңги болады.

 

5

 

1Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мәңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз. 2Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳәзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз. 3Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз. 4Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қәлеймиз. Солай етип, өлетуғын дене мәңгилик өмир тәрепинен жутып жибериледи. 5Бизлерди усы ушын таярлаған ҳәм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Қудайдың Өзи болады.
6Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мәканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бәрқулла батырлыққа ийемиз. 7Өйткени бизлер көзге көринетуғын нәрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз. 8Аўа, батырлыққа ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз. 9Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз. 10Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.

 

Жарастырыўшылық хызмети

 

11Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳәрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Қудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен[15]. 12Бизлер және сизлерге өзлеримизди усыныўға ҳәрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы көриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз. 13Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып көринсек, онда бул Қудай ушын. Егер есимиз дурыс болып көринсе, онда бул сизлер ушын. 14Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мәжбүр етеди. Өйткени бир Адам, яғный Масих ҳәмме ушын өлгенликтен, ҳәмме Оның өлимине шерик болған болады[16], деген жуўмаққа келдик. 15Аўа, Масих ҳәмме ушын өлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди өзлери ушын емес, ал өзлери ушын өлген ҳәм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шәрт.
16Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның көз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз. 17Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды. 18Буның ҳәммеси Қудайдан. Қудай Масих арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды ҳәм адамларды Өзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды. 19Яғный, Қудай Масих арқалы дүньяны Өзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳәм усы жарастырыўшы сөзлерди бизлерге берди. 20Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Қудайдың Өзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нәсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Қудай менен жарасыңлар! 21Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық.

 

6

 

1Қудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер өзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден өтиниш етемиз. 2Себеби Қудай былай дейди:

 

«Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим,
Қутқарылыў күнинде саған жәрдем бердим»[17].

 

Минекей, ҳәзир Қудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳәзир қутқарылыў күни келди!

 

Павел көрген қыйыншылықлар ҳаққында

 

3Хызметимизге сөз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нәрседе тосқынлық жасамаймыз. 4Ал ҳәмме нәрседе Қудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық көрсек те, мүтәжликте ҳәм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық. 5Және де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз өткиздик, аш қалдық. 6Солай болса да, бизлер пәк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳәм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық. 7Ҳақыйқат сөзин айтып, Қудайдың қүдиретин көрсеттик. Оң ҳәм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик. 8Бизлерди ҳүрмет етеди ҳәм масқаралайды да, бизлерге сөгис айтады ҳәм мақтайды да. Бизлерди өтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз. 9Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳәммеге белгилимиз. Бизлерди өлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, өлмей атырмыз. 10Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бәрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ көп адамларды байытамыз. Ҳеш нәрсемиз болмаса да, ҳәмме нәрсеге ийемиз.
11Ҳәй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сөйлеп, жүрегимизди кең аштық. 12Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден өз мийримиңизди аядыңыз. 13Сизлерге балаларыма сөйлегендей, сөйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.

 

Бизлер – Қудайдың ибадатханасымыз

 

14Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар? 15Масих пенен шайтанның[18] арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин? 16Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди:

 

«Мен олар арасында жасап,
Олар арасында жүретуғын боламан»[19].
«Мен олардың Қудайы боламан,
Олар Мениң халқым болады»[20].

 

17Сол себептен Қудай Ийемиз былай дейди:

 

«Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бөлеклениңлер.
Ҳарам нәрсеге қол тийгизбеңлер,
Сонда Мен сизлерди қабыл етемен»[21].

 

18Және де, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди:

 

«Мен сизлерге Әке боламан,
Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар»[22].

 

7

 

1Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўәделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳәм руўхымызды ипласлайтуғын ҳәр бир нәрседен өзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық.

 

Коринфтеги исениўшилер жәмәәтиниң тәўбе еткенине Павелдиң қуўаныўы

 

2Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик. 3Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Өйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге өлиўге де, жасаўға да қайылмыз. 4Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳәм мен сизлер менен көп мақтанаман. Қыйыншылықларымыз көп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бөлендим.
5Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳәр тәреплеме қыйыншылық көрдик: сыртта жәнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди. 6Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Қудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди. 7Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳәрекетлериңиз себепли өкинип атырғаныңызды ҳәм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим.
8Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, өкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен өкинген едим. 9Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тәўбеге әкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Қудайдың қәлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян көрмедиңлер. 10Себеби Қудайдың қәлеўи менен берилген қапашылық адамды тәўбеге алып келеди ҳәм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық өкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы өлимге алып барады. 11Қараңлар, Қудайдың қәлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, өз пәклигиңизди дәлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғәзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳәм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте[23] өзлериңиздиң ҳәр тәреплеме пәк екениңизди көрсеттиңиз. 12Сизлерге буннан алдыңғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жәбир көрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Қудай алдында аян болыўы ушын жазған едим. 13Бизлер булардың ҳәммеси арқалы жубаныш таптық.
Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да көбирек қуўандырды. Өйткени сизлердиң ҳәммеңиз оның руўхын көтерипсиз. 14Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳәр бир сөзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сөзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты. 15Ол ҳәммеңиздиң сөзге бойсынатуғыныңызды, өзин ҳүрмет ҳәм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги және де артып атыр. 16Солай етип, мен сизлерге ҳәр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман.

 

8

 

Сақыйлық пенен садақа бериў ҳаққында

 

1Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. 2Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти. 3Жағдайлары көтергенше, ҳәтте, жағдайларынан артық дәрежеде олардың өз қәлеўи менен сақыйлық көрсеткенине мен өзим гүўалық беремен. 4Олар Яҳудиядағы исениўшилерге[24] берилетуғын жәрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды өтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди. 5Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Қудайдың қәлеўи менен өзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады.
6Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын өтиндик. 7Сизлер Масихқа деген исенимде, Қудайдың сөзин сөйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте[25], улыўма ҳәмме нәрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қәлеймиз.
8Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жәмәәтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап көрип атырман. 9Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Өзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз.
10Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер өткен жылы өз қәлеўиңиз бенен жәрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер. 11Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис. 12Егер сизлер өзлериңизде бар нәрсени инта менен берсеңиз, Қудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нәрсени талап етпейди. 13Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен. 14Ҳәзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нәрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нәрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады. 15Мухаддес Жазыўда: «Көп жыйнаған адамның артық нәрсеси, аз жыйнаған адамның кем нәрсеси болмады»[26], – деп айтылғандай болады.

 

Титустың ҳәм оның менен бирге еки туўысқанның Коринфке жиберилиўи

 

16Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Қудайға шүкирлер болсын! 17Өйткени ол тек бизлердиң өтинишимиз бойынша емес, ал өзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, өз қәлеўи менен сизлерге баратыр. 18Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жәриялаў бойынша барлық исениўши жәмәәтлер тәрепинен мақтаўға ерискен адам. 19Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жәмәәтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳәм жәрдем бериўге инталы екенимизди көрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз. 20Көп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз. 21Себеби бизлер тек Ийемиздиң нәзеринде емес, ал адамлардың нәзеринде де дурыс болған нәрсени ислеўге тырысып атырмыз.
22Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте және бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мәртебе ҳәм ҳәр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин көрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр. 23Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳәм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жәмәәтлердиң ўәкиллери[27] ҳәм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар. 24Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жәмәәтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин көрсетиңлер.

 

9

 

Мүтәжликте жасаўшы исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында

 

1Яҳудиядағы исениўшилерге[28] жиберилетуғын бул жәрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳәжети жоқ. 2Өйткени сизлердиң жәрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер[29] өткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың көбисин ҳәрекетке келтирди. 3Бул нәрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳәм өзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман. 4Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди көрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сөзсиз уятқа қаласыз. 5Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан өзимнен бурын сизлерге барыўды ҳәм сизлердиң ўәде еткен жәрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды өтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жәрдем мәжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын.
6Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам көп орады. 7Ҳәр бир адам қыйналып ямаса мәжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Өйткени Қудай ыразы болып берген адамды сүйеди. 8Және де, Қудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳәмме нәрсеңиз жетерли болып, ҳәр қандай жақсы иске бай боласызлар. 9Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген:

 

«Ол өзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди,
Оның ҳақлығы мәңгиге бар болады»[30].

 

10Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Қудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрәәтин мол қылып береди ҳәм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады. 11Аўа, Қудай сизлерди ҳәр тәреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳәм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Қудайға шүкирлик билдиреди. 12Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң[31] мүтәжликлерин толықтырып қоймай, көп адамлардың Қудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады. 13Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Қудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз өзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳәм көп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бөлисип атырғаныңызды дәлиллейди. 14Және де, Қудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди көриўди әрман етип, сизлер ушын дуўа етеди. 15Сөз бенен тәрийиплеп жеткизиў қыйын болған Қудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Қудайға шүкирлер болсын!

 

10

 

Павелдиң өз хызметин жақлаўы

 

1«Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сөз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүләйимлилиги ҳәм сабырлылығы менен сизлерден өтинемен: 2сизлерге барғанымда, өзимди қатал тутыўға мәжбүр қылмаңлар. Өйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қәлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар. 3Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. 4Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. 5Сол қураллар менен сандырақ сөзлерди ҳәм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳәр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳәр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз. 6Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳәр бир адамды жазалаўға таярмыз.
7Сизлер тек сыртқы көриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким өзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин. 8Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз көбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген.
9Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып көрингим келмейди. 10Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳәм күшли, бирақ жүзбе-жүз көрискенимизде ҳәлсиз ҳәм сөзге де шебер емес», – дейди екен. 11Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз.
12Өзлерин әҳмийетли етип көрсетип атырған айырым адамлар менен өзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар өзлерин өз өлшемлери менен баҳалайды ҳәм өзлерин өзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз! 13Бирақ, бизлер ҳәдден тыс дәрежеде мақтанбаймыз. Ал, Қудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди. 14Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик. 15Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳәддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң өсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң көлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз. 16Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жәриялай аламыз. Өйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қәлемеймиз. 17Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын»[32]. 18Себеби өзин өзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қәдирлениўге ылайықлы.

 

11

 

Павел ҳәм жалған елшилер

 

1Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сөзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қәлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны өтиниш етемен! 2Сизлерди Қудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Өйткени мен сизлерди бир пәк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим. 3Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳәм пәк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман. 4Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсаны басқаша қылып жәриялағанда, сизлер исенесизлер. Және де, өзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳәм өзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер. 5Сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен өзимди ҳеш бир нәрседе кем санамайман! 6Мен сөзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳәр қандай жағдайда ҳәм ҳәр тәреплеме ашық көрсеттик.
7Сизлердиң мәртебели болыўыңыз ушын, мен өзимди пәс қойып, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жәрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма? 8Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жәмәәтлерден ақшалай жәрдем алып, оларды тонағандай болдым. 9Араңызда болған ўақтымда мүтәжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Өйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтәжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нәрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳәм буннан былай да тырыса беремен. 10Өзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды. 11Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Қудай биледи.
12Өзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳәм солай ислеўди даўам ете беремен. 13Себеби жалған елшилер ҳәм өтирик жумысшылар болған бундай адамлар өзлерин Масихтың елшилери қылып көрсетеди. 14Бирақ, бул таң қаларлық нәрсе емес. Шайтан да өзин нур периштеси қылып көрсетеди-ғо. 15Сонлықтан оның хызметшилериниң өзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып көрсетиўи де таң қаларлық нәрсе емес. Қудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди.

 

Павелдиң елши сыпатында көрген қыйыншылықлары

 

16Мен және тәкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын. 17Сөйлеп атырған сөзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал өзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман. 18Көплер өзлери менен дүньяның көз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан. 19Сизлер өзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар! 20Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, өзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар. 21Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳәлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз!
Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман. 22Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман. 23Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. 24Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. 25Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. 26Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. 27Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. 28Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады. 29Қайсы дәрменсизлер менен, мен бирге дәрменсизленбедим? Қайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым?
30Сизлер мени мақтаныўға мәжбүр еткениңиз себепли, мен ҳәлсизлигимди көрсеткен нәрселер менен мақтанаман. 31Ийемиз Ийсаның Әкеси, мәңгиге алғысланатуғын Қудай биледи: мен өтирик сөйлеп атырған жоқпан. 32Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳәким қала дәрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды. Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳәм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым.

 

12

 

Қудайдың Павелге көрсеткен көринислери ҳәм аянлары ҳаққында

 

1Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз көрсеткен көринислер ҳәм аянлар ҳаққында айтпақшыман. 2Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он төрт жыл бурын үшинши аспанға көтерилип әкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Қудай биледи. 3-4Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жәннетке көтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳәм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сөзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Қудай биледи. 5Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, өзиме келсем, тек өзимдеги ҳәлсизликтен басқа ҳеш нәрсем менен мақтанбайман. 6Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман.
7Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. 8Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим. 9Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. 10Сол себептен Масих ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен.

 

Павелдиң Коринфтеги исениўшилер жәмәәтине деген ғамхорлығы

 

11Мен мақтанып, ақылсыз адам болып көриндим. Бирақ мени буған сизлер мәжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ. 12Мениң Қудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дәлиллейтуғын көп белгилер, таң қаларлық ислер ҳәм кәраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен көрсетилди. 13Сизлерден ақшалай жәрдем сорап, өз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жәмәәтлерден сизлерди кем көргендей болдым ба? Егер мени қәте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң!
14Минекей, мен сизлерге үшинши мәртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң өзлериңиз керексиз. Өйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис. 15Сол сыяқлы мен де сизлер ушын өзимде бар ҳәмме нәрсени, ҳәтте, өз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды. 16Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман. 17Деген менен, өзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба? 18Мен Титустан сизлерге барыўды өтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Әлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳәрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо.
19Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Қудай алдында сөйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳәр бир нәрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз. 20Өйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди өзим қәлегендей емес аўҳалда көремен бе деп ҳәм сизлер де мени өзлериңиз күтпеген аўҳалда көресиз бе деп қәўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жәнжел, күншиллик, ғәзеп, даў, жала, өсек, менменлик ҳәм тәртипсизлик бар екенин көриўден қорқаман. 21Тағы да, сизлерге және барғанымда, Қудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, өзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳәм жүўенсизлиги ушын тәўбе етпеген[33] көп адамлар ушын көз жасымды төгиўден қорқаман.

 

13

 

Соңғы ескертиў ҳәм сәлемлер

 

1Мен сизлерге үшинши мәртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳәр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады»[34]. 2Буннан алдын араңызда екинши мәртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳәзир сизлерден узақта болғанымда да тәкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге және барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳәмме адамлардың да ҳеш бирин аямайман! 3Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сөйлейтуғынына дәлил излейсизлер. Масих сизлерге деген ис-ҳәрекетинде ҳәлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Өз қүдиретин көрсетеди. 4Ол ҳәлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳәзир Қудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳәлсиз болсақ та, Оның менен бирге Қудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз.
5Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, өз-өзиңизди сынап көриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан өте алмай жығылған болар едиңиз. 6Бизлердиң сынаўдан өткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен. 7Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Қудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз өзлеримиздиң сынаўдан өткенимизди көрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан өтпеген болып көринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат. 8Өйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нәрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳәрекет етемиз. 9Өзлеримиз ҳәлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз. 10Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мәжбүр болмаўым ушын, бул нәрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман.
11Қулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар[35], бир ой-пикирли болыңлар ҳәм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳәм тынышлық тийкары болған Қудай сизлер менен бирге болады. 12Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер.
Барлық исениўшилер[36] сизлерге сәлем айтып атыр.
13Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳәммеңизге яр болсын!

 

 

 

 

Галатиялыларға

Галатиялыларға жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Хат елши Павелдиң ең биринши жазылған хатларының бири болып, ол Галатия үлкесиндеги (ҳәзирги Туркияның арқа-батыс бөлеги) исениўши жәмәәтлерге жазылған. Сол жердеги исениўши жәмәәт Павел арқалы пайда болған еди (Елш. исл. 13:14 – 14:23).
Хаттағы сөз етилетуғын баслы машқала яҳудий емеслердиң, яғный басқа миллет адамларының Ийсаға исенгенде сүннет етилиўине ямаса етилмеўине байланыслы. Исениўши яҳудийлердиң пикири бойынша, Ийсаны қабыл еткен ҳәр бир басқа миллет адамы ақланыўы ушын Муўсаның Нызамын орынлап жасаўы, әсиресе сүннет етилиўи шәрт еди. Бирақ, Павел адам сүннет етилиўи ямаса Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы емес, ал тек Ийса Масихқа деген исеними арқалы Қудайдың мийрими менен ақланады, деп жуўап береди.
Және де, Павел хатында өз елшилик хызметин Қудай тәрепинен, Ийса Масихтың көрсеткен аяны арқалы алғанын ҳәм сол себептен усындай сөзлерди айтыў ҳуқықына ийе екенин билдиреди. Ол исениўшилердиң азат адам екенлигин айтып, олардың бул азатлықты гүна ислеў ушын пайдаланбай, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаў кереклигин нәсият етеди.

 

1

 

Сәлемнама

 

1-2Адамлар тәрепинен ямаса адамлар арқалы емес, ал Ийса Масих[1] ҳәм Оны өлимнен тирилткен Әкемиз Қудай тәрепинен елши болып тайынланған мен, Павелден ҳәм мениң менен бирге болған барлық туўысқанлардан, Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге сәлем!
3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! 4Әкемиз Қудайдың ерки бойынша, Ийса Масих бизлерди ҳәзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти. 5Қудайымызға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.

 

Хош Хабар жалғыз

 

6Сизлерди Масихтың мийрими арқалы шақырған Қудайдан соншелли тез жүз бурып, басқа бир «хош хабар» ға аўып кеткениңизге ҳайранман. 7Негизинде басқа бир «хош хабар» жоқ. Ал, сизлердиң ақылыңызды шатастырып, Масихтың Хош Хабарын бурмаламақшы болып атырғанлар ғана бар.
8Бирақ егер де бизлер ямаса аспаннан бир периште келип, өзлеримиз сизлерге айтқан Хош Хабарға қарсы «хош хабар» жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын! 9Бурын айтқанымызды және қайталап айтаман: егер ким де ким сизлер қабыл еткен Хош Хабарға қарсы бир «хош хабар» ды жәриялап атырған болса, ол Қудайдың ғарғысына ушырасын!
10Енди мен адамлардың мақтаўын қәлеп атырман ба ямаса Қудайдың ба? Я болмаса, адамларға жағыныўға тырысып атырман ба? Егер елеге дейин адамларға жағынбақшы болғанымда, онда мен Масихтың хызметшиси бола алмас едим.

 

Павел қалай Масихтың елшиси болды

 

11Туўысқанларым, мен жәриялаған Хош Хабарды адам ойлап шығармағанын билиўиңизди қәлеймен. 12Мен бул Хош Хабарды адамнан қабыл етпедим ҳәм ҳеш кимнен үйренбедим. Оны маған Ийса Масихтың Өзи аян арқалы билдирди.
13Мен яҳудий дининде болғанымда, қалай өмир сүргеним ҳаққында еситкенсизлер. Қудайдың жәмәәтин аяўсыз қуўдалап, оны қуртыўға тырысатуғын едим. 14Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим.
15-16Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап, Өз мийрими менен шақырған Қудай басқа миллетлер арасында Хош Хабарды жәриялаўым ушын, маған Улын ашып билдириўге ыразы болды. Сонда мен адамлар менен мәсләҳәтлесип отырмадым. 17Ерусалимге, яғный меннен бурын елши болғанларға да бармадым. Ал дәрҳал Арабстанға кетип, кейин және Дамаскқа қайтып келдим. 18Соңынан үш жыл кейин Петр[2] менен танысыў ушын Ерусалимге бардым. Оның жанында он бес күн болдым. 19Бирақ, басқа елшилердиң ҳеш бирин көрмедим, тек Ийемиз Ийсаның иниси Яқыпты ғана көрдим. 20Сизлерге жазып атырғанларымның өтирик емес екенлигин Қудайдың алдында билдирип атырман. 21Буннан соң, мен Сирия ҳәм Киликия үлкелерине кеттим. 22Ал Яҳудиядағы Масихқа тийисли жәмәәтлер мени жүзбе-жүз танымайтуғын еди. 23Олар тек: «Бир ўақытлары бизлерди қуўдалаған адам бурын өзи жоқ қылмақшы болған исеним ҳаққында енди өзи жәриялап жүр», – дегенди еситип, 24мен ушын Қудайды алғыслаған еди.

 

2

 

Басқа елшилердиң Павелди қабыл етиўи

 

1Арадан он төрт жыл өткеннен соң, Барнаба менен бирликте және Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым. 2Ол жерге Қудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жәмәәт жетекшилери менен жеке сөйлесип, басқа миллетлер арасында өзим жәриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳәм ҳәзир ислеп атырған ис-ҳәрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим. 3Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мәжбүрлемеди.
4Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты көре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди. 5Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бәрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тәслим болмадық.
6Ерусалим жәмәәтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бәри бир: Қудай адамларды айырмайды. Олар мениң жәриялаў исиме қосымша ҳеш нәрсе жүклемеди. 7Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге[3] жәриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге[4] жәриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди. 8Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Қудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады. 9Жәмәәтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа[5] ҳәм Юхан Қудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳәм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал өзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул көрди. 10Тек еле де жарлыларға жәрдем бериўди естен шығармаўымызды өтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.

 

Павелдиң Петрди әшкаралаўы

 

11Кифа Антиохияға келгенде, оның қәтесин бетине айтып әшкара еттим. 12Өйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер[6] келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен өзин шетке алды ҳәм олар менен байланысты үзди. 13Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳәтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди.
14Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын көргенимде, ҳәммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мәжбүрлейсең? 15Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар[7] емеспиз. 16Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».
17Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, өзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан! 18Егер мен өзим бузған яҳудий үрп-әдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен өзимниң нызам бузыўшы екенимди дәлиллеген боламан. 19Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. 20Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман. 21Мен Қудайдың мийримин қәдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға өлген болар еди.

 

3

 

Мухаддес Нызам ҳәм исеним

 

1Ҳәй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны көз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди? 2Сизлерден бир нәрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты[8] қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе? 3Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳәрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар? 4Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?! 5Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳәм араңызда кәраматлар көрсеткен Қудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба?
6Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады»[9]. 7Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳәммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады.
8Мухаддес Жазыў Қудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады»[10], – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди. 9Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады.
10Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳәммесине нәлет жаўады. Өйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳәмме нәрсени бәрқулла орынлап жасамайтуғын ҳәр бир адам нәлетий болады»[11]. 11Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Қудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды»[12], – деп жазылған. 12Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды»[13], – деп жазылған. 13-14Масих бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды. Өйткени: «Ағашқа асылған ҳәр бир адам нәлетий»[14], – деп жазылған.

 

Мухаддес Нызам ҳәм Қудайдың ўәдеси

 

15Туўысқанларым! Адамлар өмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нәрсе қосыўға болмайды. 16Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпағына ўәде[15] бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп көп адамларды нәзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нәзерде тутып айтқан еди. 17Мениң айтажағым мынаў: төрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Қудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўәдесиниң күшин жоқ қылмайды. 18Себеби егер Қудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўәде бойынша болмайды. Бирақ Қудай мийрасты Ибрайымға ўәде бойынша берди.
19Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып көрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Өзи Қудайдың ўәдеси ҳәм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳәрекет етеди. Ол периштелер арқалы тәўеллешиниң қолы менен берилген еди. 20Ал тәўеллеши тек бир тәрепке тийисли емес. Бирақ Қудай – жалғыз.

 

Мухаддес Нызамның мақсети

 

21Олай болса, Мухаддес Нызам Қудайдың ўәделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Өйткени егер де өмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, әлбетте, нызам арқалы ақланар еди. 22Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўәде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жәриялады.
23Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик. 24Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тәрбияшымыз болды. 25Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тәрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз.
26Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳәммеңиз Қудайдың балаларысыз. 27Суўға шомылдырылғанда[16] Масих пенен бирлесип, ҳәр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар[17]. 28Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳәммеңиз Масих Ийсада бирсиз. 29Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Қудайдың ўәдеси бойынша мийрасхорларсыз.

 

4

 

1Және айтажағым мынаў: мийрасхор ҳәмме нәрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ. 2Ол әкесиниң белгилеген ўақтына дейин тәрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады.
3Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мәниссиз қағыйдаларының қулы едик. 4-5Бирақ ўақты келгенде, Қудай Өз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳәм бизлердиң Қудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады. 6Сизлер енди Қудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Өз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Қудайды: «Әке, Әкежаным!»[18] деп шақырыўыңызға болады. 7Сол себептен сен енди қул емессең, ал Қудайдың перзентисең. Қудайдың перзенти болғаның ушын, Қудай сени мийрасхор етти.

 

Павелдиң галатиялылар ушын тәшиўишлениўи

 

8Бурын сизлер Қудайды билмей, негизи Қудай болмаған нәрселерге қул болдыңлар. 9Енди болса, Қудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Қудай таныйды. Солай екен, неге енди және дүньяның ҳәлсиз ҳәм қәдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Қайтадан және олардың қуллары болмақшымысызлар? 10Күнлер, айлар, мәўсимлер ҳәм жылларды белгилейсизлер. 11Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тәшиўиштемен.
12Туўысқанларым! Сизлерден өтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер. 13Хош Хабарды сизлерге биринши мәрте ден-саўлығымның ҳәлсизлиги себепли жәриялағанымнан хабарыңыз бар. 14Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тәкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Қудайдың бир периштесиндей, ҳәтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер. 15Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге өзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, көзлериңизди ойып, маған берер едиңлер. 16Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба?
17Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди өз тәрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Өзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы. 18Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нәрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бәрқулла усылай болса жақсы. 19Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен. 20Ҳәзир жаныңызда болып, даўысымды мүләйим қылып өзгертсем еди. Өйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман.

 

Ажар ҳәм Сара мысалы

 

21Мухаддес Нызам астында жасаўды қәлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме? 22Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған[19]. 23Шоры ҳаялдан болған улы әпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўәде бойынша туўылды.
24Бунда тымсал мәниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы. 25Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳәзирги Ерусалимди аңлатады. Өйткени бул қала өз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында. 26Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат[20], ол бизлердиң анамыз. 27Себеби былай деп жазылған:

 

«Ҳәй, бала туўмайтуғын нәсилсиз ҳаял шад бол!
Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял,
Даўысыңды көтерип, бақыр!
Өйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары,
Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан көп»[21].

 

28Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўәде бойынша туўылған балаларсыз. 29Әпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўәдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳәзир де солай болып атыр.
30Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди?

 

«Шорыны ҳәм оның баласын қуўып жибер,
Себеби шорының улы,
Азат ҳаялдың улы менен бирликте,
Мийрасқа шерик бола алмайды»[22].

 

31Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.

 

5

 

Азатлығыңызды сақлаңлар!

 

1Масих бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар.
2Қараңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ. 3Сүннет етилген ҳәр бир адамды және ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы. 4Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Қудайдың мийриминен алысладыңлар.
5Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз. 6Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳәрекет еткен исеним ғана әҳмийетли.
7Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты? 8Бундай айнытыў сизлерди шақырған Қудай тәрепинен болмады. 9Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады. 10Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кәмил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады.
11Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жәриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди. 12Қәне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳәммеси өзлерин ақта етсе[23]!
13Туўысқанлар! Қудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды өз тәбиятыңыздың қәлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер. 14Пүткил Мухаддес Нызам бир сөзде жәмленген: «Өзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй»[24]. 15Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар!

 

Адам тәбияты ҳәм Мухаддес Руўх

 

16Және айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда өз тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар. 17Өйткени адам тәбиятының жаман қәлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тәбиятының жаман қәлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қәлеген нәрселериңизди ислей алмайсызлар. 18Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер.
19Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, 20бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, 21қызғаншақлық, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, және ескертип атырман: усындай ис-ҳәрекетти ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
22Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық, 23мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ.
24Ийса Масихқа тийисли болғанлар өз тәбиятын қәлеўлери ҳәм нәпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған. 25Мухаддес Руўх өмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик. 26Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.

 

6

 

Жақсылық қылыўдан жалықпаңлар!

 

1Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мәлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүләйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар. 2Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтериңлер. Сонда Масихтың Нызамын орынлайсызлар. 3Егер ким де ким ҳеш нәрсе болмаса да, өзин әҳмийетли адам деп есапласа, өз-өзин алдаған болады. 4Ҳәр бир адам өз ис-ҳәрекетин тексерип көрсин. Сонда өзин басқалар менен салыстырмай, өз табыслары менен мақтана алады. 5Себеби ҳәр бир адам өз аўырманлығын өзи көтериўи тийис.
6Қудайдың сөзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нәрселерди бөлиссин.
7Өз-өзиңизди алдамаңлар, Қудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады. 8Өзиниң гүнакар тәбиятына бойсыныўшы сол тәбиятқа тән өлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тән мәңгилик өмирди алады[25]. 9Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. 10Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.

 

Соңғы ескертиўлер ҳәм сәлемнамалар

 

11Қараңлар, өз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳәриплер менен жазып атырман! 12Сыртқы көриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масихтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мәжбүрлемекте. 13Бирақ, сүннет етилгенлердиң өзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қәлеп атыр.
14Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нәрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын өлген, мен де дүнья ушын өлгенмен. 15Сүннетли болыў ямаса болмаў әҳмийетли емес, әҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў. 16Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳәммесине, яғный Қудайдың халқына[26] тынышлық ҳәм мийрим-шәпәәт болсын!
17Ендигиден былай, ҳеш ким маған жәбир бермесин. Өйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар.
18Ҳәй, туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.

 

 

 

 

Ефеслилерге

Ефеслилерге жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Ийсаның Хош Хабары себепли қамақта болған ўақтында Ефес қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған еди.
Ефес қаласы Азия үлкесиниң (ҳәзирги Түркияның қубла-батыс бөлеги) пайтахты болған еди. Өзинде жайласқан ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасы себепли, Ефес қаласы пүткил дүньяға белгили еди.
Павел бул қалада үш жыл жасап, Қудайға хызмет етти. Оның хызмети арқалы көп адамлар сыйқыршылық гүнасынан қутқарылып, сол жерде исениўши жәмәәт пайда болды. Усы жәмәәт арқалы Қудайдың Хош Хабары пүткил Азия үлкесине тарқатылды.
Павел бул хаты арқалы Қудайдың адамларды қутқарыў жобасын ҳәм Оның сырын ашып көрсетеди. Қудай барлық адамларды Масих арқалы Өзи менен жарастырғаны ҳәм усы адамларды Масихтың денеси, яғный исениўшилер жәмәәти қылып бирлестиргени ҳаққында жазады. Хатта исениўшилер бул дүньяда нурға тийисли адамлар сыпатында жасаў кереклиги ҳаққында, ерли-зайыплылар, ата-аналар ҳәм балалар, хожайынлар ҳәм қуллар арасындағы қатнас ҳаққында сөз болады. Және де, руўхый урыста исениўши қалай жеңиске ерисетуғыны ҳаққында да айтылады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Қудайдың қәлеўи менен Масих[1] Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге[2] сәлем! 2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Руўхый жарылқаў

 

3Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады. 4Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип, 5Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды. 6Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи.
7Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди. 8Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып, 9Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды. 10Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық. 12Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды. 13Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх[3] пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар. 14Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.

 

Павелдиң исениўшилер ушын дуўа етиўи

 

15Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге[4] деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери, 16мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан. 17Ийемиз Ийса Масихтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман. 18Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның исениўшилерге[5] берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман. 19Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман. 20Қудай усы күш пенен Масихта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды. 21Қудай Масихты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды. 22Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды. 23Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.

 

2

 

Өлимнен өмирге өтиў

 

1Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер. 2Сонда сизлер бул дүньяның әдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким – шайтанға, яғный ҳәзир Қудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳәрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер. 3Бир ўақытлары бизлердиң ҳәммемиз де усындай адамлардың арасында өз гүнакар тәбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳәм ой-нийетимиздиң жаман қәлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тәбиятымыз бойынша Қудайдың ғәзебине ылайықлы адамлар едик.
4Бирақ, мийрим-шәпәәтке бай болған Қудай бизлерди соншелли сүйгенликтен, 5гүналарымыз себепли өли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз. 6Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Қудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында[6] отырғызды. 7Қудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Өз мийриминиң шексиз байлығын келешек дәўирлерде көрсетиў ушын усылай иследи. 8Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, 9ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды. 10Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты.

 

Ийса Масих арқалы бирлесиў

 

11Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тәрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз. 12Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳәм Қудайдың оларға берген ўәдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳәм қудайсыз болып жасадыңлар. 13Бирақ бурын Қудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Қудайға жақын болдыңлар.
14Өйткени Масихтың Өзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Өз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды. 15Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Өзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳәм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып, 16душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық[7] қылып, Қудай менен жарастырыў ушын иследи. 17Масих келип, Қудайдан узақ болған сизлерге ҳәм Қудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жәриялады. 18Ол арқалы бизлер ҳәммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Әкемиз Қудайдың алдына бара аламыз. 19Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз. 20Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Өзи болады. 21Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады. 22Масих пенен қатнаста болған сизлер де Қудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мәкан болыўыңыз ушын, ҳәммеңиз бирликте қуралып барасызлар.

 

3

 

Павел билдирген сыр

 

1Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масих Ийсаның тутқыны болдым. 2Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер. 3Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди. 4Бул хатты оқығаныңызда, Масихтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин. 5Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат: 6басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масих Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик.
7Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым. 8Мен барлық исениўшилер[8] ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масихтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди. 9Және де, ҳәмме нәрсени жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди. 10Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў. 11Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масих Ийса арқалы әмелге асырды. 12Бизлер Масих пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз. 13Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди.

 

Масихтың сүйиспеншилигин билиў

 

14Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен. 15Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген. 16Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин. 17Исенимиңиз арқалы Масих жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып, 18барлық исениўшилер[9] менен бирге Масихтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз. 19Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз. 20Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе. 21Оның Масих Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңгиге даңқы арта берсин! Аўмийин.

 

4

 

Масихтың денеси болған жәмәәттиң бирлиги

 

1Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар. 2Толық кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. 3Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар. 4Қудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳәммемиз бир денемиз ҳәм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз. 5Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рәсимимиз бир. 6Қудай да бир. Ол ҳәммениң үстинен ҳүкимдар, ҳәмме арқалы ҳәрекет етиўши, ҳәммемизде бар болған, ҳәммемиздиң Әкемиз.
7Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди. 8Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген:

 

«Ол жоқарыға шығып,
Тутқынларды тутқын етти.
Адамларға сыйлар берди»[10].

 

9Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сөзлер нени аңлатады? Масих бурын төменге, жерге түсти дегенди аңлатады.
10Түскен Адам да, ҳәр бир нәрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў.
11Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды.
12Ол буны исениўшилерди[11] таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳәм Өзиниң денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи.
13Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз.
14Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. 15Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық. 16Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳәр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жәрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады.

 

Ески ҳәм жаңа өмир

 

17Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар. 18Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған. 19Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳәр түрли ҳарамылықты нәпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген.
20Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз. 21Әлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер. 22Сол себептен бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қәлеўлери себепли шириген ески тәбиятыңыздан ўаз кешиңлер. 23Ой-пикирлериңизди ҳәм руўхыңызды жаңалап, 24шын ҳақлық ҳәм мухаддеслик пенен, Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар.
25Сонлықтан өтириктен ўаз кешип, ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз. 26Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар. 27Шайтанға жол бермеңлер. 28Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин.
29Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың. 30Қудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Қутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мөрленгенсизлер. 31Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден узақ болсын. 32Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.

 

5

 

Нурға тийисли адамларға сай жасаңлар!

 

1Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер! 2Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге[12] минәсип емес. 4Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер. 5Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 6Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. 7Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар. 9Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат. 10Қудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер. 11Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер. 12Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят. 13Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди. 14Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген:

 

«Оян, ҳәй уйқыда жатқан,
Өлилер ишинен тирил!
Масих саған нур шашар».

 

15Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар. 16Жақсылық ислеўге ҳәр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы. 17Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер. 18Арақ-шарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар. 19Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сөзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар. 20Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.

 

Ерли-зайыплылар арасындағы қатнасық ҳаққында

 

21Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар! 23Себеби Масих исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы. 24Исениўшилер жәмәәти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын.
25Ҳәй күйеўлер, Масих исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер. 26Масих исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып[13] ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти. 27Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи. 28Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады. 29Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оны күтеди. 30Өйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз. 31«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады»[14]. 32Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман. 33Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.

 

6

 

Ата-ана ҳәм балалар арасындағы қатнасықлар ҳаққында

 

1Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады. 2«Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген баслы буйрық. 3Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады»[15].
4Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.

 

Хожайынлар ҳәм қуллар ҳаққында

 

5Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масихтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар. 6Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар. 7Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер. 8Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.

 

Шайтанға қарсы руўхый урыс

 

10Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. 11Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар. 12Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы. 13Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар.
14Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. 15Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. 16Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. 17Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. 18Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер[16] ушын табан тиреп сораңлар. 19Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын. 20Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер.

 

Соңғы сәлемнама

 

21Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин билдиреди. 22Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди. 23Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин. 24Ийемиз Ийса Масихты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын!

 

 

 

 

Филиплилерге

Филиплилерге жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Ийсаның Хош Хабары ушын қамақта болған ўақтында Филип қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған еди.
Филип қаласы Македония үлкесинде жайласқан қала еди. Павел өзиниң екинши сапарының ўақтында бул қалада болғанда, ол арқалы усы жерде исениўши жәмәәт пайда болған еди (Елш. исл. 16:12). Бул қаладағы исениўши жәмәәт кишкене болса да, бастан аяғына дейин Павелдиң хызметине шерик болып, көп жәрдем еткен еди ҳәм бул жәмәәт пүткил исениўши жәмәәтлерге үлги көрсеткен еди.
Павелдиң бул хатты жазғандағы баслы мақсети – берген жәрдемлери ушын филиплилерге рахмет айтыўдан ибарат еди. Және де, Павел өз хатында Хош Хабардың қандай түрде жәрияланып атырғаны ҳаққында сөз етеди ҳәм филиплилерге нәсият етип, қуўдалаўларға турақлылық пенен шыдаў ҳәм қандай аўҳал болыўына қарамастан, қуўаныў кереклигин айтады. Оларды кишипейил болыўға ҳәм бирликке шақырады.
Павел сол ўақытта қамақта болса да, қуўаныш ҳаққында жазады. Бул хатта қуўаныш сөзи 16 мәртебе ушырасады. Бундай қуўаныш Қудай беретуғын тынышлыққа тийкарланған болыўы итимал.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Масих[1] Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳәм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге[2], әсиресе жәмәәт жетекшилери менен хызметшилерине сәлем! 2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Павелдиң шүкирлик билдирип, дуўа етиўи

 

3Сизлерди ҳәр сапар еске алғанымда, Қудайға шүкирлик билдирип атырман. 4Мен Қудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳәр қашан қуўаныш пенен сорайман. 5Себеби сизлер бастан баслап ҳәзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жәриялаўға үлес қосып келмектесизлер. 6Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен. 7Ҳәммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, өйткени сизлер ҳәмме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳәм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дәлиллесем де, ҳәммеңиз мениң менен бирликте Қудайдың мийримин бөлисип келмектесиз. 8Сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Қудайдың Өзи гүўа. 9Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳәм терең түсимпазлық пенен өсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман. 10Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пәк ҳәм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар. 11Және де, Қудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар.

 

Өмиримниң мәниси – Масих

 

12Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қәлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың және де көбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жәрдем етти. 13Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳәм қалған ҳәмме адамларға мәлим болды. 14Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, көпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Қудайдың сөзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да көбирек батырлық көрсетпекте. 15Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жәрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жәрияламақта. 16Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр. 17Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында өзлериниң атақ-абырайлары ушын напәк нийет пенен жәрияламақта. 18Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жәрияланса да, мен буған қуўанаман.
Аўа, мен қуўана беремен де. 19Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳәм Ийса Масихтың Руўхының жәрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.
20Қандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен. 21Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масих, ал өлим утыс демек. 22Бирақ, егер бул дүньяда өмир сүриўим арқалы өнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен. 23Мени еки тәреп те өзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қәлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ. 24Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек. 25Буған көзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде өсип қуўаныўыңыз ушын, ҳәммеңиз бенен бирге боламан. 26Солай етип, және жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де көбирек мақтана аласызлар.
27Тек жасап атырған өмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди көрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тән болып гүресип атырғаныңызды билейин. 28Және де, өзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳәм Қудайдың иси. 29Өйткени Қудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген. 30Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер көрдиңлер ҳәм ҳәзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.

 

2

 

Масихтан өрнек алың!

 

1Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх[3] пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳәм реҳимлилик бар болса, 2онда бир пикир ҳәм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳәм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың. 3Ҳеш бир нәрсени өз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар. 4Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер.
5Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: 6Масих қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. 7Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. 8Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды. 9Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. 10Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳәм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, 11Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳәмме[4] Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды.

 

Қудайдың балаларына сай жасаңлар!

 

12Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бәрқулла Қудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳәзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан көбирек бойсынып, қорқыныш ҳәм сақлық пенен, қутқарылыўыңызға сай ис-ҳәрекетлерди әмелге асыра бериңлер[5]. 13Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады.
14Ҳәр бир нәрсени тоңқылдамай ҳәм тартыспай ислеңлер! 15-16Сонда сизлер адасқан ҳәм бузылған әўлад арасында Қудайдың кемшиликсиз, таза ҳәм минсиз балалары боласызлар. Қудайдың өмир беретуғын сөзлерин басқаларға жеткизип, дүньядағы жулдызлар сыяқлы жарқырайсызлар. Солай етип, мениң жан-тәним менен қылған мийнетим босқа кетпей, Масихтың қайта келетуғын күнинде мақтана аламан. 17Сизлердиң исеним бойынша берген қурбанлығыңызды ҳәм еткен хызметиңизди толықтырыў ушын, қаным қурбанлық шарабы сыяқлы төгилетуғын болса да, мен қуўанаман ҳәм ҳәммеңиздиң қуўанышыңызды бөлисемен. 18Сол сыяқлы, сизлер де қуўаныңлар ҳәм мениң қуўанышымды бөлисиңлер.

 

Тимофей ҳәм Епафродит

 

19Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қәлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен. 20Өйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ. 21Ҳәмме Масих Ийсаның емес, ал өз мәпин ойлайды. 22Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мәлим. Себеби ол әкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жәрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти. 23Жағдайымның қандай болатуғыны белгили болыўдан, оны дәрриў жибериўден үмит етемен. 24Ийемизге исенимим кәмил, мениң өзим де жақын арада барып қаламан.
25Бирақ, мүтәж болғанымда маған жәрдем етиў ушын сизлердиң жиберген елшиңиз, туўысқаным, шеригим ҳәм Хош Хабар ушын саўаштағы жолдасым Епафродитти сизлерге қайтарып жибериўди мақул көрдим. 26Өйткени ол ҳәммеңизди сағынып атыр ҳәм оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады. 27Ол ҳақыйқаттан да, өлим төсегинде жатты. Деген менен, Қудай оған, тек оған емес, ал қайғы үстине қайғы шекпеўим ушын маған да реҳимлилик етти. 28Сонлықтан оны және көрип қуўаныўыңыз ушын ҳәм мениң қайғыларым да жеңиллесиўи ушын, оны қатты асығыслық пенен жаныңызға жиберип атырман. 29Оны Ийемиздиң атынан үлкен қуўаныш пенен қарсы алыңлар ҳәм усындай адамларды ҳүрмет етиңлер. 30Себеби сизлердиң маған ете алмаған хызметиңизди етиў ушын, ол өз жанын қәўип астына қойып, Масихтың иси ушын бир өлимнен қалды.

 

3

 

Қудайдың ҳақыйқатлығы

 

1Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нәрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, және де бул сизлер ушын зыянсыз.
2Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар! 3Өйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Қудайдың халқымыз. Бизлер Қудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, өз шығысымызға ҳәм ерискен нәрселеримизге[6] сүйенбеймиз. 4Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў өз шығысыма ҳәм ерискен нәрселериме сүйениўге дәлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де көбирек: 5мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен. 6Диний инта бойынша исениўшилер жәмәәтин қуўдалаған ҳәм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.
7Бирақ, бир ўақытлары әҳмийетли деп билген бул нәрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман. 8-9Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Және де, мен Масих ушын ҳәмме нәрседен бас тарттым ҳәм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳәммесин сыпырынды деп есаплайман. Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын өз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Қудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен. 10Қәне енди, Масихтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам. 11Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем.

 

Мақсетке жетиўге тырысыў

 

12Мен буларға әлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман. 13Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. 14Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.
15Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳәммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Қудай сизлерге буны да ашып береди. 16Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша өмир сүрейик.
17Туўысқанларым, ҳәммеңиз бирликте меннен өрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге көрсеткен өрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар. 18Сизлерге көп мәрте айтқанымдай, ҳәзир де көз жасларымды төгип тәкирарлап атырман: көп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта. 19Бундайлардың тәғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – өз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды. 20Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Қутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз. 21Ҳәмме нәрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳәлсиз ҳәм өткинши денемизди өзгертип, Өзиниң уллы денесине уқсатады.

 

4

 

Ақыл-нәсиятлар

 

1Сонлықтан ҳәй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳәм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қәдирданларым!
2Еводияға өтиниш етемен, Синтихияға да өтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар! 3Аўа, садық Сизигус[7] саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жәрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳәм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жәриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳәммесиниң атлары Өмир китабында[8] жазылған.
4Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар. Тәкирарлап айтаман: қуўаныңлар. 5Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳәмме адамларға мәлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 6Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. 7Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды.
8Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пәк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, және де, нениң жақсы ҳәм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар. 9Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.

 

Павелдиң миннетдаршылығы

 

10Маған енди және ғамхорлық көрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Әлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди. 11Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен. 12Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим. 13Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.
14Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бөлисип, жақсы иследиңлер. 15Ҳәй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жәриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жәмәәтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды өзлериңиз де билесизлер. 16Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мәртебе маған мүтәж нәрселеримди жеткиздиңлер. 17Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис көбейсин деп айтып атырман. 18Менде ҳәмме нәрсе бар, ҳәтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нәрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтәжлигим қалмады. Бул нәрселер – хош ийисли түтетки ҳәм Қудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық. 19Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады. 20Әкемиз Қудайға мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.

 

Соңғы сәлемнама ҳәм тилек

 

21Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге[9] сәлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сәлем айтып атыр. 22Барлық исениўшилер[10], әсиресе Рим патшасы-Қайсардың сарайындағылар сизлерге сәлем айтып атыр.
23Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын!

 

 

 

 

Колосалыларға

Колосалыларға жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Колоса қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Колоса қаласы Азия үлкесиниң (ҳәзирги Туркияның қубла-батыс бөлеги) пайтахты Ефес қаласынан 160 шақырым узақлықта жайласқан кишкене таўлы қала еди. Бул жердеги исениўши жәмәәт қала турғыны болған Епафрас деген адам арқалы пайда болған еди (Колоса. 1:7). Епафрас Хош Хабар себепли Римде қамақта болған Павелге барып, оған Колосада жалған тәлийматлардың бар екенин айтып берди. Бул жалған тәлийматларды үйретиўшилер исениўши адам Ийсаға исениўден тысқары яҳудийлердиң үрп-әдетлерин орынлаўы, бул дүньяға тийкарланған философияларға бойсыныўы, периштелерге сыйыныўы, айрықша күнлерди белгилеўи ҳәм ишип-жеўден өзин тыйыўы тийис, деп тәлим берди.
Бирақ Павел өз хатында бул жалған тәлийматлардың мәниссиз екенин айтып, исениўши адамның Ийса Масих пенен тығыз байланыста болыўының жеткиликли екенин нәсиятлайды. Өйткени қудайлық тәбияттың толылығына ийе болған Масих себепли, исениўшилер Масихтың толылығына ийе екенин түсиндиреди. Қудайдың Өз Улы Ийса арқалы аспан ҳәм жердегилерди Өзи менен жарастырғанын айтады ҳәм хаттың ақырғы бабында исениўшилер қалай жасаў кереклиги ҳаққында сөз етеди.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Қудайдың қәлеўи менен Масих[1] Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, 2Колоса қаласындағы исениўшилерге[2], яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Павелдиң Қудайға шүкирлик билдириўи ҳәм дуўа етиўи

 

3Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға бәрқулла шүкирлик билдиремиз. 4Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге[3] деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик. 5Сизлердиң бул исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сөзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер. 6Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Қудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тәлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси. 8Сизлердиң Мухаддес Руўхтан[4] алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз. 10Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз. 11-12Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳәмме нәрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳәм Қудай Әкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Қудай Әкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң[5] мийрасына шерик болыўға миясар қылды. 13Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди. 14Бизлер Қудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.

 

Масихтың Өзлиги ҳәм Оның хызмети

 

15Қудайдың Улы болған Масих көзге көринбейтуғын Қудайдың қандай екенин көрсетеди ҳәм Ол жаратылған ҳәмме нәрседен бурын бар болған. 16Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масих тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды. 17Масих ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты. 18Масих – исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди. 19Себеби Қудай Өзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул көрди. 20Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳәм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қәледи.
21Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳәрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Қудайға жат ҳәм душпан едиңлер. 22Енди болса, Қудай сизлерди Өзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳәм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң өлими арқалы сизлерди Өзи менен жарастырды. 23Тек ғана исенимде бәрқулла турақлы ҳәм беккем болып, өзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жәрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.

 

Павелдиң исениўшилер жәмәәтине қылған хызмети

 

24Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масихтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман. 25Қудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сөзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болдым. 26Қудайдың Хош Хабары өткен әсирлер менен әўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине[6] аян болды. 27Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳәм бай екенин Қудай Өз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих. 28Бизлер усы Масих ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз. 29Масихтың қүдирети менен менде ҳәрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.

 

2

 

1Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳәм мени жүзбе-жүз көрмегенлердиң ҳәммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қәлеймен. 2Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кәмил исеним менен, Қудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар. 3Масихта ақыл-даналықтың пүткил ғәзийнеси жасырылған. 4Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман. 5Себеби мениң өзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тәртипти ҳәм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин көрип, қуўанып атырман.

 

Масих пенен қатнаста болып жасаў

 

6Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. 7Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер. 8Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-әдетлерине ҳәм бул дүньядағы мәниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳәм өтирик сөзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин. 9Өйткени қудайлық тәбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды. 10Сизлер де ҳәр қандай ҳәкимшилик ҳәм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз.
11Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тәрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тәбиятыңыз кесип тасланады. 12Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге көмилдиңлер ҳәм Оны өлимнен тирилткен Қудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер. 13Сизлер гүналарыңыз ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың[7] сүннетсизлиги себепли өли едиңлер, бирақ Қудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди. 14Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Қудай өширди ҳәм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды. 15Ол руўхый ҳәкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы өлими арқалы жеңип, көпшиликтиң көз алдында масқара етти.

 

Жалған тәлийматлардан сақ болыңлар!

 

16Солай етип, жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин. 17Булар тек келиўи тийис нәрсениң көлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта. 18Жалған кишипейилликтен ҳәм периштелерге сыйыныўдан ләззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек өзлери көрген аянларға ғана берилип, өз гүнакар тәбиятының ақылы менен себепсиз көкирек көтереди. 19Бундайлар исениўшилер жәмәәтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Әне усы бастан пүткил дене буўын ҳәм сиңирдиң жәрдеми менен күш алып ҳәм бирлесип, Қудайдың қәлеген жолы менен өсип барады.
20-21Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мәниссиз қағыйдалары ушын өлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳәм «Қол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз? 22Бундай қағыйдалардың ҳәммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нәрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳәм тәлийматларына тийкарланған. 23Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳәм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып көринеди. Бирақ гүнакар тәбияттың қәлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.

 

3

 

Масих пенен болған жаңа өмир

 

1Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты. 2Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар. 3Себеби сизлер дүнья ушын өлгенсизлер ҳәм жаңа өмириңиз Масих пенен бирге Қудайда жасырылған. 4Өмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен көринесиз.
5Сонлықтан өзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман әдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нәпсиқумарлық, жаман қәлеўлер ҳәм нәпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар. 6Булар себепли, сөзге қулақ аспайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. 7Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳәрекетлерди иследиңлер. 8Бирақ енди ҳәммесин: ашыў, ғәзеп ҳәм жек көриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай өсек ҳәм сөгис сөз шықпасын. 9Бир-бириңизге өтирик сөйлемеңлер. Өйткени сизлер ески тәбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап, 10жаңа тәбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тәбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын, өз Жаратыўшысына уқсап барады. 11Солай етип, жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳәм яҳудий, сүннетли ҳәм сүннетсиз, варвар[8] ҳәм скиф[9], қул ҳәм азат адам болып бөлиниў жоқ. Ал ең әҳмийетлиси, ҳәмме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар.
12Қудайдың таңлап алған мухаддес ҳәм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. 13Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. 14Булардың ҳәммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди. 15Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Және де, шүкирлик билдириңлер. 16Масихтың сөзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тәлим берип, ақыл-нәсият етиңлер. Қудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар. 17Сөзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳәр бир нәрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Әкемиз Қудайға шүкирлик етип ислеңлер.

 

Хожалықтағы қатнасықлар ҳаққында

 

18Ҳәй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минәсип. 19Ҳәй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар. 20Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-аналарыңыздың сөзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды. 21Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. 22Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳәмме нәрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын көзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер. 23-24Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Өйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар. 25Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Қудай ҳеш кимди айырмайды.

 

4

 

1Ҳәй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға әдиллик ҳәм теңлик пенен қатнас жасаңлар.

 

Ақыл-нәсиятлар

 

2Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. 3Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Өз сөзин жәриялай алыўымыз ушын, Қудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман. 4Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер.
5Ўақыттан жақсы пайдаланып, жәмәәттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар. 6Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.

 

Соңғы сәлемнама

 

7Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳәмме хабарды сизлерге билдиреди. 8Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди. 9Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳәм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди.
10Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳәм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер. 11Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сәлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Қудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды. 12Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сәлем айтып атыр. Сизлерди Қудайдың ҳәр бир еркине толық исенсин ҳәм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр. 13Сизлер ушын ҳәм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның көп мийнет еткенине мен гүўаман. 14Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сәлем айтып атыр.
15Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳәм оның үйиндеги жәмәәтке сәлем айтыңлар. 16Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жәмәәтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар. 17Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!»
18Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!

 

 

 

Салоникалыларға 1

Салоникалыларға жазылған биринши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Салоника қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған еди.
Салоника қаласы Македония үлкесиниң орайлық қаласы еди. Салоникадағы исениўши жәмәәт Павелдиң екинши сапарының ўақтында Павел арқалы пайда болған еди (Елш. исл. 17:1-9).
Павелдиң бул хатты жазғандағы мақсети – сол жердеги жақында исенген адамларды қоллап-қуўатлаў еди. Павел өз хатында өзлерине үйретилген нәрселерди сақлағаны ушын ҳәм қуўдалаўлар ўақтында исенимде беккем турғаны ушын Салоникадағы исениўшилерди мақтап, оларды жигерлендиреди. Деген менен, Ийемиз Ийсаның екинши мәртебе келиўине байланыслы надурыс пикирлерге ийе адамлар бар екенин еситип, Ийемиз Ийсаның дүньяға екинши мәртебе келиўи алдынан қандай ўақыялар жүз беретуғыны ҳаққында айтады. Және де, сол күнди күтип жүрген адамлардың күнделикли өмирде Қудайға унамлы өмир сүриў кереклигин нәсият етеди.

 

1

 

1Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа[1] тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! Сизлерге Қудайдың мийрими ҳәм тынышлығы яр болсын!

 

Салоникалылардың үлгили исеними

 

2Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз. 3Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
4Қудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз. 5Себеби сизлерге жәрияланған Хош Хабар тек сөз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх[2] ҳәм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер. 6Көп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Қудайдың сөзин қабыл етип, бизлерге ҳәм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар. 7Солай етип, Македония ҳәм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар. 8Өйткени Ийемиздиң сөзи сизлерден тарқап, Қудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳәм Ахаяға емес, ал ҳәмме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нәрсе айтыўымызға ҳәжет қалмады. 9Себеби олардың өзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳәм ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға қайтқаныңызды айтып берди. 10Және бизлерди келешектеги қәҳәрли жазадан қутқаратуғын Қудайдың Өзи өлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сөз етти.

 

2

 

Павелдиң Салоникадағы хызмети

 

1Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин өзлериңиз де билесиз. 2Бирақ өзлериңизге мәлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге жәриялаў ушын, бизлер Қудайымыздан мәртлик алып туратуғын едик. 3Өйткени бизлердиң ақыл-нәсиятымыз өтирик ямаса напәк нийет ҳәм ҳийлеге негизленбеген еди. 4Керисинше, Қудай бизлерди минәсип көрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Қудайға унаў ушын Хош Хабарды жәриялап жүрмиз. 5Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сөзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Қудай буған гүўа. 6Және бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз.
7Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүләйим болдық. 8Сизлерди усылай жақсы көрип, сизлерге тек Қудайдың Хош Хабарын емес, ал өз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қәдирли едиңиз. 9Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳәм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Қудайдың Хош Хабарын жәрияладық.
10Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳәм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Қудай да гүўа. 11Хабарыңыз бар, бир әке өз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳәр бириңизге сондай қатнас жасадық. 12Сизлерге ақыл-нәсият ҳәм жубаныш берип, Өз Патшалығына ҳәм салтанатына шақырған Қудайға ылайықлы жасаўды өтиниш еттик.
13Бизлер Қудайға және бир нәрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Өйткени сизлер Қудайдың сөзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сөзи сыпатында емес, ал Қудайдың сөзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сөз ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳәрекет етпекте. 14Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Қудайдың жәмәәтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет көрген болса, сизлер де өз миллетиңизден сондай азап-ақырет көрдиңлер. 15Ийемиз Ийсаны ҳәм пайғамбарларды өлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳәм олар Қудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр. 16Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сөйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳәр қашан өз гүналарының мөлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Қудайдың ғәзебине ушырайды.

 

Павелдиң салоникалыларға деген сағынышы

 

17Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, өзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдә сағынып, дийдар көрисиўге қатты тырыстық. 18Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, әсиресе мен, Павел, бир неше мәрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти. 19Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳәм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе? 20Аўа, мақтанышымыз ҳәм қуўанышымыз сизлерсиз.

 

3

 

1Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық. 2Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жәриялайтуғын Қудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик. 3Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тәғдиримизге жазылғаны өзлериңизге мәлим. 4Өйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да. 5Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим.

 

Салоникадан келген қуўанышлы хабар

 

6Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳәм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бәрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди. 7Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳәм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық. 8Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады. 9Қудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз. 10Сизлер менен жүзбе-жүз көрисиў ушын ҳәм исенимиңиздеги жетиспеген нәрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз.
11Әкемиз Қудайдың Өзи ҳәм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын! 12Ийемиз бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы көбейтип арттырсын! 13Солай етип, Ийемиз Ийса Өзиниң пүткил мухаддеслери[3] менен келгенде, Әкемиз Қудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.

 

4

 

Қудайға унайтуғын өмир

 

1Енди болса, туўысқанлар, Қудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳәзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте және де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден өтиниш етип сораймыз. 2Өйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди өзлериңиз билесизлер.
3Қудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, 4ҳәр бириңиздиң өз денесин қәдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын[4] 5ҳәм Қудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қәлеўлерге берилмеўин қәлейди. 6Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳәм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды. 7Себеби Қудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды. 8Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Қудайды қабыл алмаған болады.
9Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нәрсе жазыўына ҳәжет жоқ. Өйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Қудайдан үйрендиңлер. 10Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳәммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте және де алға илгерилеўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. 11Және де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш өмир сүриўди, өз исиңизге кеўил бөлиўди ҳәм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар. 12Солай етип, сизлер жәмәәттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли өмир сүресизлер ҳәм ҳеш кимнен ғәрезли болмайсызлар.

 

Ийсаның қайта келиўи

 

13Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. 14Себеби бизлер Ийсаның өлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан көз жумғанларды Қудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз. 15Ийемиздиң сөзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳәзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан көз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз. 16Өйткени Ийемиздиң Өзи буйырған бәлент даўыс, бас периштениң сести ҳәм Қудайдың кәрнайы менен аспаннан келгенде, дәслеп Масихқа исенген өлилер тириледи. 17Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып көтерилемиз. Солай етип, ҳәмме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз. 18Мине, усы сөзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.

 

5

 

1Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳәм мәўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ. 2Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер. 3Адамлар: «Ҳәммеси тыныш ҳәм қәўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды.
4Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды. 5Сизлердиң ҳәммеңиз нурдың ҳәм күндиздиң балаларысыз[5]. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз. 6Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳәм сергек болайық. 7Өйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мәс болатуғынлар да түнде мәс болады.
8Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳәм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик. 9Себеби Қудай бизлерди Өзиниң ғәзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады. 10Тири болсақ та, өли болсақ та, бизлерди Өзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын өлди. 11Сонлықтан ҳәзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер.

 

Соңғы ақыл-нәсиятлар ҳәм сәлемнама

 

12Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нәсият бергенлердиң қәдирин билиўиңизди сизлерден өтиниш етемиз. 13Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Өз ара татыў жасаңлар. 14Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жәрдем берип, ҳәммеге сабырлы болыңлар. 15Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳәмме ўақытта бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар.
16Бәрқулла қуўаныңлар. 17Тынбай дуўа етиңлер. 18Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар. 19Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар[6]. 20Пайғамбаршылық сөзлерин[7] кемситпеңлер. 21Бирақ, ҳәмме нәрсени сынап көриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар. 22Ҳәр қандай жаманлықтан қашыңлар.
23Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳәм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын. 24Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны әмелге асырады.
25Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер. 26Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сәлем айтыңлар. 27Бул хаттың ҳәмме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман.
28Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!

 

 

 

 

Салоникалыларға 2

Салоникалыларға жазылған екинши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Хатты елши Павел Салоника қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған еди. Биринши хатта айтылғандай, бул хатта да Ийемиз Ийсаның екинши мәртебе дүньяға келиўи туўралы кеңирек сөз етиледи. Павел өз хатында исениўши жәмәәтке қәўип туўғызыўшы жалған тәлийматлар ҳаққында ескертеди ҳәм Ийемиз Ийсаны жақын арада келеди деп ойлап, жумыс ислеўди тоқтатқан айырым исжақпас адамларды әшкаралайды. Ким де ким мийнет етпесе, аўқат жеўге де ҳақысы жоқ екенлигин айтады.
Бизлер бул хат арқалы Ийемиз Ийсаның келиўи ҳаққында ҳәм исениўшилер сол ўақытқа дейин қалай жасаў кереклиги ҳаққында үйренемиз.

 

1

 

1Әкемиз Қудайға ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа[1] тийисли болған Салоника исениўшилериниң жәмәәтине, Павел, Сила ҳәм Тимофейден сәлем! 2Әкемиз Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәм тынышлығы сизлерге яр болсын!

 

Келешектеги қәҳәрли жаза

 

3Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта. 4Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳәм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳәм исенимиңиз ушын Қудайдың жәмәәтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5Булардың ҳәммеси Қудайдың әдил жазасының белгиси. Нәтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Қудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар. 6Қудай әдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады. 7Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳәммеси Ийемиз Ийса Өзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда көрингенде жүз береди. 8Сонда Ийемиз Ийса Қудайды билмейтуғынларды ҳәм Өзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды. 9Олар мәңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳәм қүдиретли салтанатынан алыслатылады. 10Ийемиз келген күни Өз мухаддеслери тәрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тәрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Өйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер. 11Сонлықтан сизлер ушын бәрқулла дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Өзи шақырған өмирге ылайықлы қылсын, ҳәр түрли жақсы арзыў-әрманыңызды ҳәм исенимге тийкарланған ҳәр бир исиңизди Өз қүдирети менен әмелге асырсын. 12Солай етип, Қудайымыздың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳәм сизлер де Ол тәрепинен мәртебели болыңлар.

 

2

 

Нызамды бузыўшының пайда болыўы

 

1Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳәм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды өтинемиз. 2Ийемиздиң күниниң әлле қашан келгенин айтқан ҳәр қандай пайғамбаршылық[2], сөз ямаса бизлер жибергендей етип көрсетилген хат себепли ақылдан дәрҳал азып, тәшиўишленбеңлер. 3Өзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дәслеп исенимнен қайтыў басланып[3], нызамды бузыўшы, яғный тәғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады. 4Сол адам – Қудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳәр бир нәрсеге қарсы шығып, өзин ҳәммеден жоқары қояды, ҳәтте, ол Қудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, өзин «қудайман» деп жәриялайды.
5Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па? 6Сол адамның өз ўақтында пайда болыўына дейин ҳәзир оны не услап турғанын билесизлер. 7Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери әлле қашан ҳәрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол өз исин даўам ете береди. 8Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен өлтиреди ҳәм Өзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады. 9Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди 10ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады. 11Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Қудай оларға алдаўшы бир күш жибереди. 12Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рәҳәтленетуғынлардың ҳәммеси ҳүким етиледи.

 

Беккем турыңлар!

 

13Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх[4] тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди. 14Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жәриялаған Хош Хабар арқалы Қудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды. 15Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сөз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тәлийматымыз бойынша ис тутыңлар.
16Ийемиз Ийса Масихтың Өзи ҳәм бизлерди сүйип, мийрим-шәпәәти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳәм жақсы үмит берген Әкемиз Қудай 17сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳәр қандай жақсы исте де, сөзде де күш-қуўат берсин.

 

3

 

1Қулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сөзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бөлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер. 2Жаман ҳәм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Өйткени адамлардың ҳәммеси исениўши емес. 3Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды. 4Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳәм ислейтуғыныңызға исенемиз. 5Ийемиз жүреклериңизди Қудайдың сүйиспеншилигине ҳәм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин.

 

Өз мийнетиңиз бенен жасаңлар!

 

6Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тәлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер! 7Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз. 8Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик. 9Жәрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, өрнек болыўымыз ушын усылай иследик. 10Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди.
11Өйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз. 12Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳәм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, өз нанын өзи таўып жесин. 13Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.
14Егер бул хаттағы сөзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер. 15Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.

 

Соңғы сәлемнама

 

16Тынышлық бериўши Ийемиздиң Өзи сизлерге ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай жағдайда[5] тынышлық берсин. Ийемиз ҳәммеңизге яр болсын!
17Мен, Павел, бул сәлемди өз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳәр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.
18Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!

 

 

 

Тимофейге 1

Тимофейге жазылған биринши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Қудайдың хызметшиси, жас жигит Тимофейге жазған еди.
Тимофейдиң әкеси грек, анасы яҳудий болып, ол кишкене бала ўақтынан Қудайдың сөзин жақсы билетуғын еди ҳәм ол бойынша тәрбияланған еди. Тимофей Павелдиң биринши сапарының ўақтында оның менен танысып, ол арқалы Ийса Масихты қабыл еткен болыўы мүмкин (Елш. исл. 14:6, 7). Павел өзиниң екинши сапарының ўақтында Листра қаласында болғанда Тимофейди ушыратып қалып, оны өзиниң барлық сапарларында бирге алып жүрди (Елш. исл. 16:2, 3).
Сапарларының биринде Павел Тимофейди Азия үлкесиниң (ҳәзирги Туркияның қубла-батыс бөлеги) пайтахты Ефес қаласында қалдырып кеткен еди. Павел өз хатында Ефесте болған Тимофейге исениўшилерди жалған муғаллимлердиң тәсиринен сақлаўды, жәмәәт жетекшилерин тайынлаўды ҳәм Ийса Масихтың садық хызметшиси болыўды буйырады.
Павел хатта исениўшилер жәмәәтиниң дүзилисине ҳәм ондағы тәртипке үлкен итибар береди.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масих[1] Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!
3Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлийматларды үйретпеўди, 4аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады. 5Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў. 6Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты. 7Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.
8Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз. 9Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер, 10бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз. 11Дурыс тәлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды.

 

Павелдиң Қудайдың мийрими ушын миннетдаршылық билдириўи

 

12Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады. 13Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим. 14Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди.
15«Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман. 16Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти. 17Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз Қудайға мәңгиге ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин.
18Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет. 19Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды. 20Олардың арасында Гименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.

 

2

 

Қудайға сыйыныў ҳаққында

 

1Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңди өтиниш етемен: олар Қудай алдында ҳәмме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин. 2Патшалар ҳәм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Қудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳәм тыныш өмир сүремиз. 3Бул ис жақсы болып, Қутқарыўшымыз Қудайға унайды. 4Себеби Ол ҳәмме адамлардың қутқарылыўын ҳәм ҳақыйқатлықты билиўин қәлейди. 5Қудай жалғыз ҳәм Қудай менен адамлардың арасындағы Тәўеллеши, Өзи адам болған Масих Ийса да жалғыз. 6Ол Өзин ҳәмме адамлар ушын қурбан қылды. Бул арқалы Ол Қудайдың ҳәмме адамларды қутқарыўды қәлейтуғынын белгиленген ўақытта дәлилледи. 7Мен усы ушын Масих Ийса тәрепинен хабаршы ҳәм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳәм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман.
8Жәмәәтдеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳәм тартыспаўды, ал ҳәмме жерде мухаддес қолларын көтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қәлеймен. 9Ҳаяллар да шашларына артықша сән бермей, өзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, әдеп ҳәм ийбе менен безесин. 10Керисинше, олар Қудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен өзлерин көркем қылсын. 11Ҳаял тыныш ҳәм толық бойсынған ҳалда тәлим алсын. 12Ҳаялдың тәлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын. 13Өйткени дәслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды. 14Және де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи. 15Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳәм мухаддеслик пенен, әдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады[2].

 

3

 

Жәмәәт жетекшилери ҳәм хызметшилери ҳаққында

 

1«Егер ким де ким жәмәәт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сөзлер ҳақыйқат. 2Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы[3], салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт. 3Және де, ол мәскүнемликке берилген, қызба, жәнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүләйим, 4өз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сөзин тыңлатып, өзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым. 5Себеби өз үйин басқара алмайтуғын адам Қудайдың жәмәәтине қалай ғамхорлық қыла алады? 6Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин. 7Және де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жәмәәттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек.
8Сол сыяқлы, жәмәәт хызметшилери де мәскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гөзлейтуғын адам болмай, бир сөзли ҳәм ҳүрметли адамлар болыўы шәрт. 9Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳәрекет етиўи тийис. 10Бул хызметшилер де дәслеп сынақтан өтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын. 11Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да[4] өсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳәм ҳәмме исте исенимли болсын. 12Жәмәәт хызметшилери бир ҳаяллы[5], балаларын ҳәм өз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын. 13Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мәртебеге ериседи ҳәм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады.

 

Уллы сыр

 

14-15Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем, Қудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Қудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳәм тийкары болған тири Қудайдың жәмәәти. 16Қудайдың жолының сыры уллы екени сөзсиз.

 

Келди Масих адам денесинде,
Мухаддес Руўх[6] тәрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол,
Периштелерге көринди,
Ол ҳаққында жәрияланды миллетлерге,
Дүньяда Оған исенди,
Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.

 

4

 

Жалған тәлийматлар ҳаққында

 

1Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳәм жинлердиң тәлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады. 2Бундай тәлийматлар ҳүждансыз[7] болған еки жүзли өтирикшилер тәрепинен тарқалады. 3Бул өтирикшилер үйлениўди ҳәм турмысқа шығыўды қадаған етеди, және де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Қудай бул нәрселерди жаратқан-ғо. 4Қудай жаратқан ҳәр бир нәрсе жақсы ҳәм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нәрсеге тыйым салынбаўы керек. 5Өйткени бизлер ҳәр бир нәрсени Қудайдың сөзи бойынша ҳәм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.

 

Жақсы хызметши

 

6Егер буларды туўысқанларға нәсиятласаң, онда сен исенимниң ҳәм өзиң тутынған жақсы тәлийматтың сөзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң. 7Жарамас ҳәм мәниссиз гәплерден аўлақ болып, өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар. 8Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Қудайдың жолында шынығыў ҳәр тәреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳәзир ҳәм келешекте өмир бериледи. 9Бул сөзлер исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме қабыл етилиўге ылайықлы. 10Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Өйткени ҳәмме адамлардың, әсиресе исениўшилердиң Қутқарыўшысы болған тири Қудайдан үмит етемиз.
11Сен усыларды буйыр ҳәм үйрет. 12Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол. 13Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жәмәәтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нәсият етиўге ҳәм үйретиўге өзиңди бағышла. 14Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде[8], өзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды[9] пәс көрме. 15Усыны ис жүзинде қоллан ҳәм табысларыңды ҳәмме көриўи ушын, өзиңди буған толық бағышла. 16Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.

 

5

 

Жәмәәт ишиндеги қатнасықлар

 

1Ғарры адамға урыспа, ал оны әкеңдей көрип, нәсият бер. Жас жигитлерди иниңдей, 2жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды әжапаң ҳәм қарындасыңдай көрип, толық пәклик пенен ақыл-нәсият бер.
3Ҳақыйқаттан қәўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет. 4Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Қудайдың жолы менен жүрип, өз үй-ишине ғамхорлық көрсетиўди, әке-шешеси менен кемпир апа ҳәм атасының алдында парызын өтеўди үйренсин. Себеби бул Қудайға унайды. 5Ҳақыйқаттан қәўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Қудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди. 6Бирақ тек кәйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири өлик. 7Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой. 8Егер ким де ким өз ағайин-туўғанларына, әсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны.
9Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек. 10Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен[10], қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис. 11Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Өйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қәлеўлери үстин болып, және турмысқа шығыўды ойлайды. 12Солай етип, олар алдын берген ўәделерин бузып, жазаға дуўшар болады.
13Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар өткизиўди әдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, өсек те айтады ҳәм керек емес нәрселерди сөйлеп, басқалардың исине араласады. 14Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳәм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың өсек қылыўына себеп туўдырмаўын қәлеймен. 15Себеби олардың гейбиреўлери әлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти. 16Егер исениўши бир ҳаялдың[11] жесир қалған жақынлары болса, оларға жәрдем етсин, исениўшилер жәмәәтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жәмәәти ҳақыйқаттан қәўендерсиз қалған жесирлерге жәрдем ете алады.
17Жәмәәтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, әсиресе Қудайдың сөзин жәриялап ҳәм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын. 18Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма»[12] ҳәм «Жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген[13]. 19Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе. 20Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳәммениң алдында әшкара қыл.
21Қудайдың, Масих Ийсаның ҳәм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тәрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла.
22Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: өзиңди таза тут.
23Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳәм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш.
24Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мәлим болады. 25Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳәзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.

 

6

 

1Қудайдың атына ҳәм тәлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳәммеси өз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын. 2Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға және де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда көретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нәсиятла.

 

Жалған тәлиймат ҳәм ҳақыйқый байлық

 

3Ким де ким өзге тәлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сөзлерин ҳәм Қудайдың жолына тийкарланған тәлийматты мақулламаса, 4ол менмен ҳәм ҳеш нәрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳәм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гәплери күншиллик, алаўызлық, өсек ҳәм жаман гүманларды келтирип шығарады. 5Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Қудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бәрқулла тартыслар болады.
6Өзиңде барға қанаат етип, Қудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик. 7Өйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нәрсе алып келмедик ҳәм оннан ҳеш нәрсе де алып кете алмаймыз. 8Жейтуғын ҳәм кийетуғын нәрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик. 9Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бәлеге жолықтырып набыт қылатуғын көп мәниссиз ҳәм зыянлы ҳәўеслердиң дузағына илинеди. 10Себеби ҳәр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳәм өзлерин көп азапларға дуўшар етти.
11Ҳәй, Қудайдың адамы, сен бул нәрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Қудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳәм мүләйимликке умтылып жаса. 12Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тәниң менен ҳәрекет етип, мәңгилик өмирди жеңип ал. Өйткени Қудай сени усы мәңгилик өмир ушын шақырған ҳәм сен көплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тән алғансаң. 13Ҳәммеге өмир беретуғын Қудайдың ҳәм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман: 14Ийемиз Ийса Масих келгенше, өзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳәм айыпсыз бол. 15Қудай Өзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин көрсетеди. Қудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳәким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары. 16Жалғыз Қудайдың ғана басында өлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким көрмеген ҳәм көриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳәм мәңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин.
17Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳәм өткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рәҳәт көриўимиз ушын бизлерге ҳәмме нәрсени мол-мол етип беретуғын Қудайдан үмит етсин. 18Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳәм өзинде барын басқалар менен бөлисип, сақый болыўды да тапсыр. 19Сонда олар ҳақыйқый өмирге ийе болыўы ушын, өзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғәзийне топлайды. 20Ҳәй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сөзлерден, өтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тәлийматлардан аўлақ бол. 21Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты.
Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!

 

 

 

Тимофейге 2

Тимофейге жазылған екинши хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Ефес қаласында Қудайға хызмет етип атырған Тимофейге жазған. Бул хат Павелдиң соңғы хатларының бири. Павел бул хатты жазған ўақытта Ийсаның Хош Хабары ушын қамақта болған еди. Ол өз хызметиниң жуўмақланып, өмириниң ақырына жеткенин билгенликтен, исенимдеги сүйикли улы болған Тимофейге соңғы ақыл-нәсиятларын бериў ушын, бул хатты жазған еди.
Павел хатында өз өмирин Тимофейге үлги қылып көрсетеди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын қорқпастан жәриялап, Ийса Масихтың жақсы әскери болыўды нәсият етеди. Буларды орынлаў ушын, Қудайдың сөзин жақсы түсиниўди, оны басқаларға дурыс үйретиўди ҳәм қандай жағдай болса да, оны жәриялай бериўди қатаң буйырады.
Бизлер бул хат арқалы Қудайдың жақсы хызметшиси қандай қәсийетлерге ийе болыў кереклигин билип аламыз.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Масих[1] Ийсадағы ўәде етилген өмир ҳаққында жәриялаў ушын, Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, 2сүйикли улым Тимофейге сәлем! Қудай Әкемиз ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!

 

Хош Хабарға садық болыўға үндеў

 

3Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен. 4Сениң көз жасларың ядымда. Және дийдарласып, қуўанышқа бөлениўим ушын, сени көриўди аңсап атырман. 5Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳәм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳәзир сенде бар екенине толық исенемен. 6Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў[2] кереклигин есиңе түсирип атырман. 7Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.
8Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр. 9Қудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳәм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди. 10Ал енди болса, бул мийримди Қутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық көрсетти. Масих Ийса өлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мәңгилик өмирди аян қылды. 11Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым. 12Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳәм Оның маған тапсырғанын[3] Өзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен. 13Меннен өзиң еситкен дурыс тәлийматты өрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен жаса. 14Саған тапсырылған ийгиликли тәлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх[4] жәрдеминде сақла.
15Азия үлкесиндегилердиң[5] ҳәммесиниң, солар арасында Фигел ҳәм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең. 16Ийемиз Онисифордың үй-ишине Өз реҳмин берсин. Өйткени ол көп мәрте маған жубаныш берди ҳәм тутқынлығымнан арланбады. 17Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи. 18Сол күни[6] Ийемиз оған Өз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдә жақсы билесең.

 

2

 

Ийса Масихтың жақсы әскери

 

1Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар. 2Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады. 3Масих Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. 4Хызметдеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды. 5Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди. 6Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис. 7Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди.
8Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы. 9Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес. 10Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман. 11Бул сөз исенимли:

 

«Егер Оның менен бирге өлген болсақ,
Оның менен бирге жасаймыз да.
12Егер сабырлылық қылсақ,
Оның менен бирге патшалық етемиз.
Егер Оннан ўаз кешсек,
Ол да бизден ўаз кешеди.
13Биз садық болып қалмасақ та,
Ол садық болып қалады.
Себеби Ол Өзинен Өзи ўаз кеше алмайды».

 

Қудайдың жақсы хызметшиси

 

14Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сөзлер туўралы тартыспаўды оларға Қудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды. 15Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс. 16Жарамас ҳәм бос сөзлерден аўлақ бол. Өйткени бундай сөзлер Қудайдан барған сайын узақластырады 17ҳәм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сөзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳәм Филит те бар. 18Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳәм өлимнен қайта тирилиў әлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта. 19Бирақ Қудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Өзине тийисли болғанларды биледи»[7] ҳәм «Ийемизге тийислимен, деген[8] ҳәр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин»[9], – деген сөзлер менен тастыйықланған.
20Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. 21Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады.
22Ал сен жаслықтың жаман ҳәўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳәм тынышлыққа умтылып жаса. 23Ақылсыз ҳәм мәниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жәнжел туўдыратуғынын сен билесең. 24Ийемиздиң хызметшиси жәнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳәмме менен мүләйим, тәлим бериўге қәбилетли ҳәм сабырлы болыўы тийис. 25Және ол өзине қарсы болғанларға әлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тәўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар. 26Солай етип, олардың ақылы киреди ҳәм қәлегенин ислетиў ушын өзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.

 

3

 

Ақырзаман ҳаққында

 

1Мынаны билип қой: дүньяның соңғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди. 2Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын, қудайсыз, 3мийримсиз, кекшил, жалахор, өзин тутып билмейтуғын, жаўыз, жақсылықтың душпаны, 4сатқын, қызба ҳәм шыррық болады. Олар Қудайдан гөре, кәйип-сапаны көбирек жақсы көреди. 5Өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тән алмайды. Бундайлардан аўлақ бол. 6Өйткени олардың гейбиреўлери үйлерге жасырын кирип, гүналарға батқан ҳәм ҳәр түрли жаман ҳәўеслерге берилген сада ҳаялларды дузаққа түсиреди. 7Бул ҳаяллар ҳақыйқатлықты бәрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайды. 8Янис ҳәм Ямбрис Муўсаға қарсы шыққандай, бул адамлар да ҳақыйқатқа қарсы турады. Бундайлар – ақыл-ойлары бузылған ҳәм ҳақыйқый исенимге ийе емес адамлар. 9Деген менен, олар узаққа бармайды. Себеби Янис ҳәм Ямбрис сыяқлы, олардың ақылсызлығы ҳәммеге әшкара болады.

 

Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары

 

10Ал сен мениң тәлийматымды, өмир тәризимди, мақсетимди, исенимимди, сабырлылығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм турақлылығымды өрнек туттың. 11Басымнан кешкен қуўдаланыўларымда ҳәм Антиохия, Икония, Листра қалаларында шеккен азапларыма шерик болдың. Мен қаншама азапларға шыдам бердим! Ийемиз мени ҳәммесинен қутқарды. 12Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады. 13Бирақ, жаман ҳәм жалатай адамлар алдап ҳәм алданып, еле де бетер жаман болып бара береди.
14Ал сен өзиң үйренген ҳәм исенген ҳақыйқатқа садық қал. Өйткени буны кимлерден үйренгениңди билесең. 15Және де, сен Мухаддес Жазыўларды балалығыңнан бери билесең. Бул Жазыўлар саған Масих Ийсаға деген исеним арқалы қутқарылыў ушын даналық бере алады. 16Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы. 17Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.

 

4

 

1Қудайдың алдында ҳәм тирилер менен өлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳәм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман: 2Қудайдың сөзин жәрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тәлим берип, әшкарала, жолға сал ҳәм ақыл-нәсият ет. 3Себеби адамлар дурыс тәлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қәлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сөзлерди сөйлейтуғын көп муғаллимлерди әтирапларына жыйнайды. 4Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады. 5Бирақ сен ҳәр қандай жағдайда сергек бол. Қыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, өз хызметиңди орынла.
6Өйткени мениң қаным төгилип, қурбан болмақтаман ҳәм дүньядан өтетуғын ўақтым да жақынласты. 7Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳәм исенимимди сақлап қалдым. 8Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Әдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳәммесине де береди.

 

Жеке тилеклер ҳәм сәлемнама

 

9Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс. 10Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти. 11Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, өзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жәрдем береди. 12Мен Тихикти Ефеске жибердим. 13Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Және де китапларымды, әсиресе оралған тери китапларды алып кел. 14Темир устасы Искендер маған көп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын. 15Сен де оннан абайлы бол. Өйткени ол бизлердиң сөзлеримизге қатты қарсы болды.
16Биринши мәрте өзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳәмме мени таслап кетти. Буның ушын Қудай оларды кеширсин. 17Бирақ, Қудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жәрияланыўы ушын ҳәм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жәрдемге келип, күш-қуўат берди. Ол мени сол тәризде өлимнен[10] қутқарып қалды. 18Ийемиз мени ҳәр қандай жаманлықтан қутқарады ҳәм Өзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мәңгиге алғыс-мақтаўлар болсын! Аўмийин.
19Прискила менен Акилаға ҳәм Онисифордың үй-ишине сәлем айт. 20Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым. 21Қыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳәм барлық исениўши туўысқанлар саған сәлем айтып атыр. 22Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Қудайдың мийрими сизлерге яр болғай!

 

 

 

Титусқа

Титусқа жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул хатты елши Павел Қудайдың хызметшиси болған Титусқа жазған. Титустың миллети грек болған. Ол Павелдиң сапарларында бирге болып, Қудайға хызмет еткен.
Павел Титус пенен бирге бир қанша ўақыт Крит атаўында Қудайдың Хош Хабарын жәриялаған еди. Крит атаўы – Эгей теңизиниң қубла тәрепинде жайласқан, Жер Орта теңизиндеги атаў. Олардың хызмети арқалы сол жерде исениўши жәмәәт пайда болған еди. Павел Титусты Критте өз ўәкили сыпатында қалдырып кетип, жуўмақланбай қалған ислерди тәртиплестирип, ҳәр бир қалада жәмәәт ақсақалларын тайынлаўды тапсырған еди.
Хатта исениўши жәмәәттиң ақсақаллары ҳәм жетекшилери қандай болыў кереклиги, жәмәәттеги исениўшилерге дурыс тәлийматты үйретиў ҳәм олардың дурыс өмир сүриў кереклиги ҳаққында сөз болады.

 

1

 

Сәлемнама

 

1Қудайдың қулы ҳәм Ийса Масихтың[1] елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сәлем! Қудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳәм өзлерин Қудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым. 2Усы исеним ҳәм ҳақыйқатлықты билиў өтирик сөйлемейтуғын Қудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўәде еткен мәңгилик өмирин алыў үмитине тийкарланған. 3Ўақты келгенде, Қудай Өз сөзин жәриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сөзди жәриялаў ушын Қутқарыўшымыз Қудайдың буйрығы менен тапсырма алдым.
4Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Әкемиз Қудай ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Титустың Криттеги ўазыйпасы

 

5Жуўмақланбай қалған ислерди тәртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳәр бир қалада жәмәәт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим. 6Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын[2]. Оның балалары да исениўши болып, әдепсиз ҳәм тәрбия көрмеген, деп айыпланбаўы тийис. 7Себеби жәмәәт жетекшиси Қудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мәскүнемликке берилген, жәнжелкеш, ҳарам пайданы гөзлейтуғын болмаўы тийис. 8Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳәм өзин тутып билетуғын болыўы керек. 9Және де, жәмәәт жетекшиси басқаларды дурыс тәлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳәм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды әшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сөзи бойынша ис тутыўы тийис.
10Өйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пәтиўасыз ҳәм өтирикши көп адамлар бар. Ондай адамлар әсиресе яҳудий топарлары[3] арасында көп. 11Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар өз ҳарам нәпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нәрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр. 12Ҳәтте, критлилердиң өз шайыры[4]: «Критлилер бәрқулла өтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳәм жалқаў ашкөзлер болған», – деген еди. 13Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой 14ҳәм оларды яҳудийлердиң мәниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма. 15Пәк адамлар ушын ҳәмме нәрсе пәк. Бирақ, напәк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нәрсе пәк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған. 16Қудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Қудайдың сөзине қулақ аспайтуғын ҳәм ҳәр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.

 

2

 

Дурыс тәлийматты үйрет!

 

1Ал саған келсек, сен дурыс тәлиймат бойынша тәлим бер. 2Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳәм ҳүрметке миясар болыўды, өзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳәм сабырлылықта беккем болыўды үйрет.
3Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет. 4-5Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
6Жас ер адамларға да өзлерин тыйып билиўди нәсият ет. 7Жақсы ислер ислеп, оларға ҳәр бир нәрседе өрнек бол. Тәлим бергениңде ҳадал ҳәм салдамлы болып, 8ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сөзлерди сөйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нәрсе айта алмағанлықтан уялып қалады.
9Қулларға хожайынларына ҳәр бир нәрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сөйлемей 10ҳәм урлық ислемей, толық садықлық көрсетиўди үйрет. Сонда олар Қутқарыўшымыз Қудайдың тәлийматына ҳәр тәреплеме жақсы ат келтиреди.
11Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди. 12Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолына ылайықлы өмир сүриўди үйретеди. 13Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди. 14Ийса Масих ҳәр бир гүнамыздың[5] төлемин өтеп қутқарыў ушын ҳәм бизлерди тазалап, Өзине тийисли ҳәм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Өзин бизлер ушын қурбан етти.
15Усыларды толық бийлик[6] пенен үйретип, жигерлендир ҳәм кейи. Өзиңди ҳеш кимге кемситпе.

 

3

 

Ийгиликли ислерди ислеўге таяр болыў ҳаққында

 

1Басшыларға ҳәм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳәр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды, 2ҳеш кимди өсек қылмай ҳәм жәнжелкеш болмай, мүләйим болып, ҳәмме адамларға ҳәр тәреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой.
3Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳәр түрли жаман ҳәўеслер менен ҳәзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳәм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳәм бизлер де бир-биримизди жек көрген адамлар едик. 4Бирақ, Қутқарыўшымыз Қудай Өз мийримин ҳәм адамға деген сүйиспеншилигин ашық көрсеткенде, 5Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы[7] арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады. 6-7Оның мийрими менен ақланып, өзлеримиз үмит еткен мәңгилик өмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Қутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды. 8Бул сөз – ҳақыйқат.
Қудайға исенгенлердиң өзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қәлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳәм пайдалы.
9Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сөзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳәм жәнжеллерден қаш. Өйткени булар пайдасыз ҳәм бийкар нәрселер. 10Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз. 11Бундай адамның бузылғанын ҳәм өз-өзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең.

 

Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер

 

12Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дәрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде өткизиўге қарар еттим. 13Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нәрсеге мүтәж болмаўы ушын ғамхорлық жаса. 14Мүтәж адамларға жәрдем бериў ушын ҳәм жемиссиз өмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге өзлерин бағышлаўды үйренсин.
15Мениң жанымдағылардың ҳәммеси саған сәлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сәлем айт. Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!

 

 

 

Филимонға

Филимонға жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Павел бул қысқаша хатты Ийсаның Хош Хабары ушын қамақта болған ўақытта жазып, Онисим ҳәм Тихик арқалы берип жиберген еди.
Бул хат Колоса қаласында жасаўшы қул ийелеўши болған Филимон атлы исениўши адамға жазылған. Филимонның қулы Онисим деген бир адам Римге қашып кетеди. Онисим Римде Павел менен қамақта бирге болып, Павел арқалы исениўши болады. Қамақта Онисим Павелге хызмет еткен ҳәм оған өз улындай болып қалған еди. Сонлықтан Павел хожайынына қайтып баратырған Онисим ушын өтиниш етип, енди оны қул сыпатында емес, ал сүйикли туўысқан сыпатында қабыл етиўди Филимоннан сораў ушын, усы хатты жазған еди.

 

 

 

Сәлемнама

 

1Ийса Масих[1] ушын тутқын болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сәлем! 2Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз. 3Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!

 

Филимонның исеними ҳәм сүйиспеншилиги

 

4Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. 5Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳәм пүткил исениўшилерге[2] деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман. 6Исенимиңди басқалар менен бөлисиўде тәсирли болыўың ушын, қулласы, Масих арқалы бизлер ийе болатуғын ҳәр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман. 7Өйткени туўысқаным, сен себепли исениўшилердиң[3] кеўиллери көтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳәм тәселле берди.

 

Павелдиң Онисим ушын өтиниш етиўи

 

8Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да, 9-10ҳәзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман. 11Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды.
12Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман. 13Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим. 14Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди. 15Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар. 16Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады.
17Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет. 18Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой. 19Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын. 20Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масих алдында кеўлимди көтер. 21Қулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен.
22Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Өйткени Қудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен.

 

Соңғы сәлемнама

 

23Ийса Масих ушын мениң менен бирге тутқын болған Епафрас саған сәлем айтып атыр. 24Және де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳәм Лука да саған сәлем жоллап атыр.
25Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге[4] яр болсын!

 

 

 

 

Еврейлерге

Еврейлерге жазылған хат

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Хат биринши гезекте Ийсаға исенетуғын яҳудийлерге жазылған. Бул хатты ким жазғаны белгисиз.
Хат Ески Келисимди жақсы билетуғын исениўшилерге қарата жазылғанлықтан, онда биринши (ески) келисим менен екинши (жаңа) келисимниң арасындағы байланыс ҳаққында сөз етиледи.
Хатта Масих ҳаққында мынадай мағлыўматлар бериледи: 1. Ол Қудайдың Улы, сонлықтан барлық периштелерден ҳәм ҳәмме пайғамбарлардан (әсиресе Муўсадан) уллы; 2. Ол – Ески Келисим дәўириндеги бас руўханийлерден де уллы болған бас руўханий, Оның қурбанлығы минсиз ҳәм мәңгилик. Сол себептен Оған исенген адамлар гүнадан, өлимнен ҳәм қорқыныштан азат болып, ҳақыйқаттан қутқарылады.
Және де, хатта исенимнен қайтпаў кереклиги ҳаққында ескертиўлер бар ҳәм исеними күшли болған адамлар мысал етип көрсетилип, исеним менен жасаў кереклиги ҳаққында ҳәр түрли ақыл-нәсиятлар берилген.

 

1

 

Қудай Өз Улы Ийса арқалы сөйледи

 

1Қудай әййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мәртебе ҳәм ҳәр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди. 2Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. Қудай Өз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди. 3Қудайдың Улы – Қудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Қудайдың тәбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин көрсетеди. Ул Өзиниң қүдиретли сөзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Өзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Қудайдың оң тәрепине отырды.

 

Қудайдың Улы Ийса периштелерден уллы

 

4Қудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады. 5Өйткени Қудай периштелердиң қайсы бирине:

 

«Сен Мениң Улымсаң,
Бүгин Мен Саған Әке болдым»[1].

 

Және де:

 

«Мен Оған Әке боламан,
Ол Маған Ул болады»[2], –

 

деген еди?
6Және де, Қудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген:

 

«Мениң барлық периштелерим Оған табынсын»[3].

 

7Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди:

 

«Қудай Өз периштелерин самалдай,
Хызметшилерин оттың жалынындай қылады»[4].

 

8Бирақ, Қудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди:

 

«О Қудай, Сениң тахтың мәңги турады,
Патшалық бийлигиң – әдил бийлик[5].
9Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек көрдиң.
Сонлықтан Қудай, Сениң Қудайың,
Сени хызметке тайынлап,
Саған жолдасларыңа қарағанда,
Даңқ ҳәм қуўанышты көбирек берди»[6].[7]

 

10Және де, былай дейди:

 

«О Ийемиз,
Әўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң.
Аспанды да Сениң қолларың жаратқан.
11Жер ҳәм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мәңгиге барсаң.
Олардың ҳәммеси де кийимдей тозып қалады.
12Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң,
Олар кийим сыяқлы өзгертиледи.
Бирақ, Сен ҳеш қашан өзгермейсең,
Өмир жылларың да тамам болмайды»[8].

 

13Қудай периштелердиң ҳеш бирине де:

 

«Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр»[9], –

 

демеген.
14Ақыры периштелердиң ҳәммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо.

 

2

 

Дыққат-итибарлы болайық!

 

1Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек. 2Себеби периштелер арқалы айтылған сөз күшке ийе болып, ҳәр қандай жынаят ҳәм бойсынбаўшылық ушын әдил жаза берилетуғын еди. 3Солай екен, дәслеп Ийемиз Ийса тәрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тәрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз? 4Қудай да бул ҳаққында кәраматлы белгилер, таң қаларлық нәрселер ҳәм ҳәр түрли кәраматлы ислер арқалы, және де, Өз қәлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың[10] сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.

 

Қутқарылыўға жетелеўши Ийса

 

5Қудай бизлер сөз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ. 6Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди:

 

«О Ийем, Сен еске алғандай адам ким өзи?
Сен оған ғамхорлық көрсететуғындай, адам улы ким болыпты?
7Оны периштелерден аз ўақытқа[11] төменирек қойдың,
Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип,
8Ҳәмме нәрсени оның аяқларына бас урғыздың»[12].

 

Қудай ҳәмме нәрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нәрсе қалдырмады. Деген менен, ҳәмме нәрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин көрмей атырмыз.
9Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа төменирек қойылған Ийсаның өлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин көрип турмыз. Аўа, Ол Қудайдың мийрими менен ҳәмме адамлар ушын өлимди басынан кеширген еди.
10Ҳәмме нәрсе Қудай ушын ҳәм Қудай арқалы бар болған. Усы Қудай көп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул көрди.
11Өйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳәм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳәммеси бир Әкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды.

 

12Ийса былай дейди:
«Қудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жәрия етемен,
Олардың жыйынында Сени алғыслайман»[13].
13Және басқа жерде былай делинген:
«Мен Қудайға сүйенемен»[14]

 

тағы да:

 

«Минекей, Мен Қудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен»[15].

 

14Бул балалар ет ҳәм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Өзи де оларға теңлесип, ет ҳәм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол өлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Өз өлими арқалы набыт қылыў ушын
15ҳәм өмир бойы өлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳәммесин азат қылыў ушын иследи.
16Себеби, әлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жәрдем етеди.
17Сол себептен Қудайдың хызметинде мийрим-шәпәәтли ҳәм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳәр тәреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди.
18Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады.

 

3

 

Ийса Муўсадан уллы

 

1Солай етип, бизлер менен бирге Қудай тәрепинен шақырылған, ҳәй мухаддес туўысқанларым, Қудайдың елшиси ҳәм бас руўханийи, деп өзлеримиз ашық тән алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар! 2Муўса Қудайдың пүткил шаңарағында Қудайға садық болғанындай, Ийса да Өзин хызметке қойған Қудайға садық болды. 3Үйди салған үйдиң өзинен гөре көбирек ҳүрмет көргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гөре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды. 4Ҳәр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Қудай пүткил барлықтың жаратыўшысы. 5Муўса келешекте айтылатуғын сөзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Қудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды. 6Бирақ, Масих[16] Қудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер өзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳәм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.

 

Исенбеўшилик ҳаққында ескертиў

 

7Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди:

 

«Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңиз,
8Шөлдеги сынақ ўақтында қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай,
Қайсарлық етпеңлер.
9Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди көрген болса да,
Мени сынай берди.
10Сонлықтан Мен сол әўладқа ғәзепленип былай дедим:
„Олардың жүрек қәлеўлери бәрқулла туўры емес,
Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11Және де, Мен қәҳәрленгенимде:
„Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим»[17].

 

12Ҳәй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Қудайдан безип кетиўден сақ болыңлар! 13Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳәр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар. 14Өйткени егер бизлер дәслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳәмме нәрсеге шериклес боламыз. 15Жоқарыда былай делинген еди:

 

«Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,
Оған қарсы қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай,
Қайсарлық етпеңлер»[18].

 

16Қудайдың сөзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң көтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси емес пе еди? 17Қудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шөлде қалғанларға емес пе? 18Қудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Өзине бойсынбағанларға емес пе? 19Солай етип, көрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.

 

4

 

Қудайдың дем алыў ушын беретуғын мәканы

 

1Сонлықтан Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўәде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳәр бириңиз усы ўәдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар. 2Себеби бизлерге жәрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сөзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сөзлердиң оларға пайдасы тиймеди. 3Қудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мәканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген:

 

«Мен қәҳәрленгенимде:
„Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим»[19].

 

Бирақ, исенетуғын бизлер сол мәканға киремиз.
4Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн[20] ҳаққында былай делинген:

 

«Қудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды»[21].

 

5Және де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай былай деген:

 

«Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма ҳеш қашан кирмейди»[22].

 

6Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сөзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мәканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар. 7Сол себептен Қудай «бүгин» деп аталатуғын және бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, көп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди:

 

«Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,
Қайсарлық етпеңлер»[23].

 

8Егер Ешуа израиллыларды Қудайдың дем алыў ушын беретуғын мәканына еристиргенде, Қудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди. 9Демек, Қудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди. 10Қудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳәр бир адам да өз ислеринен солай дем алады. 11Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Қудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық.
12Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳәм нийетлерди әшкара қылады. 13Жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳәр бир нәрсе ашық ҳәм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз.

 

Бас руўханийимиз Ийса

 

14Бирақ, бизлерде аспанға көтерилген уллы бас руўханийимиз – Қудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан өзлеримиз ашық тән алған исенимимизди беккем сақлайық. 15Ол – бизлердиң ҳәлсизликлеримизди бөлисе алатуғын бас руўханий. Оның Өзи ҳәр тәреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди. 16Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳәм керек ўақтында өзлеримизге жәрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Қудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.

 

5

 

1Ҳәр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳәм ол Қудайға байланыслы ислерде адамлардың ўәкили болып, олардың гүналары ушын Қудайға садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. 2Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүләйимлилик пенен қатнас жасай алады. Өйткени оның өзиниң де ҳәлсиз жерлери бар. 3Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал өзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шәрт. 4Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мәртебесине өзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Қудай тәрепинен шақырылса ғана ерисе алады.
5Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мәртебесине ийе болыў ушын, Өзин Өзи уллылаған жоқ. Ал Оған:

 

«Сен Мениң Улымсаң,
Бүгин Мен Саған Әке болдым»[24], –

 

деген Қудайдың Өзи Оны усы мәртебеге еристирди.
6Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай Оған былай деген:

 

«Сен Мелхиседек сыяқлы,
Мәңгиге руўханийсең»[25].

 

7Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Өзин өлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Қудайға бәлент даўыс пенен нала етип, көз жасларын төгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Қудайға бойсынғанлықтан, Қудай Оны еситти. 8Ол Қудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди. 9Масих усы тәризде минсизликке ерисип, Өзине бойсынатуғынлардың ҳәммеси ушын мәңгилик қутқарылыўға жол ашты 10ҳәм Ол Қудай тәрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.

 

Исенимнен қайтпаў ҳаққында ескертиў

 

11Мелхиседек ҳаққында айтажақ көп сөзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады. 12Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Қудайдың сөзлериниң дәслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтәжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек! 13Сүт пенен азықланатуғын ҳәр бир адам гөдек, яғный ҳақыйқатлық сөзи бойынша жасаўда тәжирийбесиз адам болғаны. 14Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный өмирдеги тәжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.

 

6

 

1Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тәлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Өлимге жетелеўши ислер ушын тәўбе етиўден[26], Қудайға исениўден, 2суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, өлилердиң тирилиўинен ҳәм мәңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тәлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық. 3Егер Қудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз.
4Бир мәртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Қудайдың сыйының дәмин татқан ҳәм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды, 5Қудайдың сөзиниң жақсы екенин ҳәм келешектиң қүдиретли ислерин өмирлеринде көрип болып, 6исенимнен қайтқанларды дүзетип тәўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Қудайдың Улын өзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады. 7Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳәм өзинде ислегенлерге пайдалы зүрәәт берген жерди Қудай жарылқайды. 8Бирақ, шеңгел ҳәм жантақ өсирген жер жарамсыз болып, көп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳәм ақыры жандырылып жибериледи.
9Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де көбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кәмил. 10Өйткени Қудай әдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳәм исениўшилерге[27] қылған ҳәм қылып атырған хызметиңиз арқалы Өзине көрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды. 11Ҳәр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды әрман етемиз. 12Және де ериншек болмай, Қудай тәрепинен ўәде етилгенлерди исеним ҳәм сабырлылық пенен алғанлардан өрнек алыўыңызды қәлеймиз.

 

Қудайдың өзгермейтуғын ўәдеси

 

13Қудай Ибрайымға ўәде бергенде, Өзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Өзиниң аты менен ант ишип, 14былай деген еди:

 

«Сени үсти-үстине жарылқайман,
Урпақларыңды сансыз қылып көбейтемен»[28].

 

15Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўәде етилгенди алды.
16Адамлар өзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сөзлерди тастыйықлап, ҳәр бир тартысты тоқтатады. 17Сол сыяқлы, Қудай да Өз еркиниң өзгермейтуғынын ўәдени алғанларға ашық көрсетпекши болып, ўәдесин ант пенен тастыйықлады. 18Солай етип, усы еки нәрсе, яғный ўәде ҳәм ант өзгермейди. Себеби Қудай оларды айтқанда өтирик сөйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан өзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Қудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз.
19Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң көшкиси сыяқлы исенимли ҳәм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тәрепине өткизеди. 20Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мәңгиге бас руўханий болды.

 

7

 

Руўханий Мелхиседек

 

1Бул Мелхиседек Сәлем патшасы ҳәм Қүдиретли Қудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пәтиясын берген еди. 2Ал Ибрайым оған ҳәмме нәрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мәниси «әдиллик патшасы», ал екиншиси Сәлем патшасы болып, бул аттың мәниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады. 3Оның әкеси, анасы ҳәм шежиреси белгисиз. Өмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Қудайдың Улына уқсайды ҳәм мәңгиге руўханий болып қалады.
4Қараңлар, ол қаншелли уллы! Ҳәтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди. 5Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша өз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳәммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди. 6Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Қудайдың ўәдесине ийе болған оған пәтиясын берген еди. 7Пәтия берген адам пәтия алған адамнан уллы екени сөзсиз. 8Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында өлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар. 9Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң өзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады. 10Өйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.

 

Ийса Мелхиседек сыяқлы руўханий

 

11Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон әўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳәжет бар ма еди? 12Себеби руўханийлик хызмети өзгертилсе, Мухаддес Нызам да өзгертилиўи тийис. 13Алдын сөз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген. 14Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған еди.
15Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сөзлеримиз еле де анығырақ болады. 16Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын өмир қүдирети менен руўханий болды. 17Өйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында:

 

«Сен Мелхиседек сыяқлы,
Мәңгиге руўханийсең», –

 

деген гүўалық бар.
18Руўханийлик ҳаққында әўелги қағыйдалар ҳәлсиз ҳәм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди.
19Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нәрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Қудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.
20Ийса Қудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Қудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ. 21Ийса Өзине:

 

«Қудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды:
„Сен мәңгиге руўханийсең“»[29], –

 

деген Қудайдың анты бойынша руўханий болды.
22Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды.
23Және бир айырмашылығы мынадай: әпиўайы руўханийлердиң саны көп еди. Өйткени өлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди. 24Бирақ Ийса мәңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мәңги. 25Сонлықтан Ол Өзи арқалы Қудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды.
26Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Өзи болады. Өйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пәк, гүнакарлардан ажыратылған ҳәм аспаннан да жоқары көтерилип, уллы абырайға ийе болған. 27Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳәр күни әўели Өз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳәжети жоқ. Себеби Ол Өзин қурбан етип, бул исти бир мәртебе ҳәм биротала орынлады. 28Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Қудайдың ант етип берген ўәдеси Оның мәңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.

 

8

 

Ийса – жаңа келисимниң бас руўханийи

 

1Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Қудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар. 2Ол сол жерде адам тәрепинен емес, ал Қудай тәрепинен қурылған ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырда хызмет қылады. 3Ҳәр бир бас руўханий садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нәрсеси болыўы тийис еди. 4Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Өйткени әлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар. 5Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси ҳәм көлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Қудай тәрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳәр бир нәрсени таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша исле»[30]. 6Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўәделерге тийкарланып дүзилген, Қудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тәўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды.
7Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди. 8Ал, халқын айыплы деп тапқан Қудайдың сөзлери мынадай:

 

«Жаратқан Ийемиз былай дейди:
„Мен Израил халқы ҳәм Яҳудия халқы менен,
Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады.
9Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап,
Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда,
Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды.
Өйткени олар Мениң келисимиме садық болмады.
Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым.
10Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў:
Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып,
Жүреклерине ойып жазып қояман.
Мен олардың Қудайы боламан,
Олар Мениң халқым болады.
11Ҳеш кимниң жанындағы адамға,
Я болмаса, өз туўысқанына,
Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳәжет жоқ.
Себеби кишкенесинен үлкенине дейин,
Олардың ҳәммеси Мени билетуғын болады.
12Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен,
Гүналарын қайтып есиме алмайман“»[31].

 

13Қудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гөнерген көрсетти. Гөнерген нәрсе көп өтпей жоқ болады.

 

9

 

Биринши келисим дәўириндеги диний хызмет

 

1Биринши келисим дәўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳәм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди. 2Қурылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бөлме» деп аталатуғын биринши бөлмеде шыра қойғыш, стол ҳәм столдың үстинде Қудайға усынылған нанлар болатуғын еди. 3Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бөлме» деп аталатуғын екинши, ишки бөлме бар еди. 4Бул бөлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна[32] салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди. 5Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди[33] қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳәзир бул нәрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз.
6Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бөлмесине руўханийлер ҳәр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди. 7Ал екинши, ишки бөлмеге болса, бир жылда бир мәртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол өзи менен бирге сол жерге өзиниң гүналарының ҳәм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди. 8Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бөлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бөлмеге баратуғын жол жабық болады. 9Бул ҳәзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳәм қурбанлықлардың Қудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пәклей алмайтуғынын[34] көрсетеди. 10Булар тек жеўге, ишиўге ҳәм ҳәр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нәрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана.

 

Масихтың минсиз қурбанлығы

 

11Бирақ Масих пайда болған жақсы нәрселердиң[35] бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳәм минсиз Мухаддес шатырға кирди. 12Масих теке ҳәм баспақлардың қаны менен емес, ал Өз қаны менен Ең мухаддес бөлмеге биринши ҳәм соңғы мәртебе кирип, бизлерге мәңгилик қутқарылыў алып келди. 13Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пәк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен өгизлердиң қаны ҳәм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди. 14Ал енди болса, мәңгилик Мухаддес Руўх арқалы Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Қудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды өлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сөзсиз.
15Солай етип, Қудай тәрепинен шақырылғанлардың ўәде етилген мәңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Қудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тәўеллешиси болды. Өйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Өзин қурбан етти. 16Ўәсият[36] бар жерде ўәсият еткен адамның өлимин тастыйықлаў да керек болады. 17Ўәсият тек адамның өлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўәсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес. 18Сонлықтан биринши келисим де қан төгилгеннен кейин күшке енди. 19Муўса Мухаддес Нызамның ҳәр бир буйрығын халыққа жәриялағаннан соң, баспақ ҳәм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳәм иссоп шөбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де: 20«Бул – Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан»[37], – деди. 21Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳәм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи. 22Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳәмме нәрсе қан менен тазаланады. Қан төгилмесе, гүна кеширилмейди.
23Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нәрселердиң үлгиси болған бул нәрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нәрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис. 24Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳәзир бизлер ушын Қудайдың алдында тур. 25Малдың қаны менен Ең мухаддес бөлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Өзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ. 26Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Өзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мәртебе жерге келди. 27Бир мәртебе өлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тәғдирине жазылған. 28Сол сыяқлы, Масих та көплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан болды. Екинши мәртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Өзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.

 

10

 

Масих – соңғы қурбанлық

 

1Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нәрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал көлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳәр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Қудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пәклей алмайды. 2Егер толық пәклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Өйткени сыйыныўшылар бир мәртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди. 3Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди. 4Себеби өгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды. 5Сол себептен Масих дүньяға келип, Қудайға былай деген еди:

 

«Қурбанлық пенен садақаны Сен қәлемедиң,
Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6Жағылған садақаларды
ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды
Сен хош көрмедиң.
7Сонда Мен былай дедим:
„Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай,
О Қудай, Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын,
Мине, Мен келдим“»[38].

 

8Төмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Қурбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қәлемедиң ҳәм оларды хош көрмедиң», – деген еди.
9Соңынан Масих: «Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти.
10Қудайдың усы қәлеўи бойынша, Ийса Масих Өз денесин биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық.
11Ҳәр бир руўханий ҳәр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды. 12Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мәңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Қудайдың оң тәрепине отырды. 13Ол сол ўақытлардан бери, Өз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте. 14Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мәңгиликке минсиз қылды. 15Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Әўели Ол былай деген:

 

16«Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң,
Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў:
Нызамларымды олардың жүреклерине салып,
Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“»[39].

 

17Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди:

 

«Олардың гүналарын ҳәм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман»[40].

 

18Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.

 

Исенимде беккем турып, сабырлы болыңлар!

 

19Сонлықтан ҳәй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бөлмеге кириўге бизлерде батыллық бар. 20Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Өз денеси арқалы сол Ең мухаддес бөлмеге кириўге жаңа ҳәм тири жол ашып берди. 21Усы Ийса – Қудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз. 22Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳәм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Қудайға жақынлайық. 23Өзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўәде берген Қудай садық. 24Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳәм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. 25Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық.
26Өйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ. 27Тек ҳүкимди ҳәм Қудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады. 28Муўсаның Нызамын тән алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде өлтирилетуғын еди. 29Енди бир ойланып көриңлер, Қудайдың Улын аяқ асты етип, өзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қәдирсиз көрген ҳәм Қудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма? 30Себеби бизлер «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен»[41] ҳәм және де «Жаратқан Ийемиз Өз халқын ҳүким етеди»[42], – деген Қудайды билемиз. 31Тири Қудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы!
32Ал сизлер өзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дәслепки күнлериңизди еске түсириңлер. 33Гейбир ўақытлары өзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жәбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳәсиретин бөлисетуғын едиңлер. 34Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дәртлерине шерик болдыңлар. Өзлериңизди еле де жақсырақ ҳәм мәңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер. 35Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Өйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен. 36Қудайдың қәлеўин орынлап, ўәде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады. 37Себеби Қудай бир пайғамбары арқалы былай деген:

 

«Енди аз-маз ўақыттан кейин,
Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди.
38Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды,
Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды»[43].

 

39Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.

 

11

 

Исеним ҳаққында

 

1Исеним – бул үмит етилген нәрселердиң әмелге асатуғынына ҳәм көринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў. 2Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Қудай тәрепинен хошаметленди. 3Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Қудайдың сөзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, көринбейтуғын нәрселерден көринетуғын нәрселер пайда болған. 4Исеними себепли, Абыл Қудайға Каиннан гөре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Қудай тәрепинен хошаметленди. Өйткени Қудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл өлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте.
5Исеними себепли, Енок өлим көрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Қудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Қудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди. 6Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.
7Исеними себепли, Нух еле болмаған нәрселер туўралы Қудай тәрепинен ескертилгенде, Қудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳәм исеними себепли ақланыўға еристи.
8Исеними себепли, Ибрайым ўәде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Қудайдың сөзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты. 9Ибрайым ўәде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Өзи менен бирдей ўәдеге шерик болған Ысақ ҳәм Яқып пенен, ол шатырларда өмир кеширди. 10Себеби ол дөретиўшиси де, қурыўшысы да Қудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди.
11Исеними себепли, Сараның нәсилсиз болыўына ҳәм өзиниң жасы өткенине қарамай, Ибрайым әке болыў мүмкиншилигине еристи. Өйткени ол ўәде еткен Қудайдың садық екенине исенди. 12Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нәсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әўладлар пайда болды.
13Алдын айтылған бул адамлардың ҳәммеси де өмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўәде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан көрип қуўанды. Олар өзлериниң жер жүзинде жат ҳәм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады. 14Усылай сөйлеген адамлар өз ўатанын излеп жүргенин көрсетеди. 15Егер олар өзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди. 16Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды әрман ететуғын еди. Сол себептен Қудай олардың Қудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты.
17-18Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Қудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди»[44], – деген ўәдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды. 19Өйткени Ибрайым Қудай өлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты өлимнен қайтарып алды. 20Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нәрселерди болжап, уллары Яқып ҳәм Исабқа пәтиясын берди. 21Яқып өлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пәтиясын берди ҳәм ҳасасының ушына сүйенип, Қудайға сыйынды. 22Юсуп өлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳәм оларға кетеринде өзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды.
23Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин көрди ҳәм патшаның пәрманынан қорқпады. 24Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның[45] қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти. 25Ол ўақытша гүнакар өмирдиң кәйип-сапасын сүриўдиң орнына, Қудайдың халқы менен бирге жәбир шегиўди таңлады. 26Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғәзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Өйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди. 27Исеними себепли, ол патшаның қәҳәринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Көринбейтуғын Қудайды көргендей, ол мәрт еди. 28Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Қутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳәм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды.
29Исеними себепли, израиллылар Қызыл теңизди қурғақ жерден өткендей кешип өтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳәрекет еткенде, суўға батып кетти.
30Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының әтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады.
31Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Қудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге өлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди.
32Және не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳәм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди. 33Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, әдиллик орнатты, ўәде етилген нәрселерди алды ҳәм арысланлардың аўызларын тосып қойды. 34Лаўлаған отты сөндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳәлсирегенде Қудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳәм жаў әскерлерин қыйратты. 35Исеними себепли, ҳаяллар өз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳәм азапланып өлтирилди. 36Және гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳәтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды. 37Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бөлинди, қылыштан өткерилип өлтирилди. Қой ҳәм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳәм хорлық көрди. 38Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шөллерди, таўларды, үңгирлерди ҳәм төлелерди гезип себил болды.
39Олардың ҳәммеси де исеними себепли Қудай тәрепинен хошаметленген болса да, ўәде етилгенди алмады. 40Өйткени Қудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нәрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди.

 

12

 

Қудай Өзи сүйген адамын тәрбиялайды

 

1Минекей, бизлерди қоршаған усындай көп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳәр бир жүкти ҳәм өзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Қудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық. 2Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳәм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң тәрепине[46] отырды. 3Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер. 4Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз төгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо. 5Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нәсиятын умыттыңыз:

 

«Улым! Жаратқан Ийемиздиң тәрбиясына итибарсыз қарама,
Ол сени әшкаралағанда, руўхыңды түсирме.
6Себеби Ол сүйген адамын тәрбиялайды,
Улы қылып қабыл еткен ҳәр бир адамын жазалайды»[47].

 

7Тәрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Қудай сизлерге Өз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Әкеси тәрепинен тәрбияланбайтуғын ул бола ма? 8Ҳәр бир адам алатуғын тәрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз. 9Сондай-ақ, бизлерди тәрбиялаған дүньядағы әкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Әкемиз болған Қудайға еле де көбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе? 10Әкелеримиз бизлерди өзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тәрбиялады. Бирақ Қудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тәрбиялайды. 11Тәрбиялаў ушын берилген ҳәр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тәрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.
12Солай етип, түскен еңсеңизди көтерип, аяқларыңызда тик турыңлар[48]. 13Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер[49].

 

Қудайға қулақ аспай кетпеңлер!

 

14Ҳәмме менен татыў болып жасаўға ҳәм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди көрмейди. 15Араңыздағы ҳеш бириңиз Қудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳәм араңызда сизлерге зыян тийгизип, көплерди зәҳәрлейтуғын ашшы тамыр көгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар. 16Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Исаб сыяқлы қудайсыз болмасын. 17Хабарыңыз бар, Исаб соңынан әкесиниң пәтиясын алыўды қәлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол көз жасларын төгип жалбарынса да, өзи ислеп қойған исти өзгерте алмады.
18Сизлер жақынлаған таў – көзге көринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шөккен, даўыл басқан, 19кәрнай сести ҳәм Қудайдың сөзи жаңлаған Синай таўы емес. Қудайдың сол даўысын еситкенлер бизлерге қайтып айтылмасын, деп жалбарынған еди. 20Өйткени олар: «Егер таўға, ҳәтте, малдың туяғы тийсе де, тас пенен урып өлтирилсин»[50], – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады. 21Бул көринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдә қорқып, дирилдеп баратырман»[51], – деген еди. 22Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Қудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына 23ҳәм атлары аспанда жазылған, Қудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер және де ҳәмме адамды ҳүким етиўши Қудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына, 24жаңа келисимниң тәўеллешиси Ийсаға ҳәм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар.
25Абайлы болыңлар, сөйлеп турған Қудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде ескертип сөйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан өзлеримизге ескертип сөйлеп турған Қудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз? 26Қудай Синай таўында сөйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Және бир мәртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен»[52], – деп ўәде берген еди. 27«Және бир мәртебе» деген сөзлер силкинбейтуғын нәрселердиң мәңгиге қалыўы ушын, силкинетуғын нәрселердиң, яғный жаратылған нәрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады. 28Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Қудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳәм қорқыныш пенен сыйынайық. 29Себеби бизиң Қудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.

 

13

 

Соңғы ақыл-нәсиятлар

 

1Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер. 2Миймандослықты умытпаңлар. Өйткени айырымлар усылай ислеп, өзлери билмей, периштелерди қонақ қылған. 3Қамақта болғанларды өзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Және де, азап шегип атырғанларды да өзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар. 4Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди. 5Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Өзлериңизде барға қанаат етиңлер. Өйткени Қудай былай деген:

 

«Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен,
Ҳеш қашан қалдырмайман»[53].

 

6Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз:

 

«Жаратқан Ийем маған жәрдем береди, мен қорқпайман,
Адам маған не ислей алады?»[54]

 

7Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар. 8Ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей. 9Ҳәр түрли жат тәлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди.
10Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда көриўге ҳақысы жоқ[55]. 11Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бөлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында өртеп жибериледи. 12Сол сыяқлы Ийса да Өз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дәрўазасының сыртында азап шекти. 13Олай болса, бизлер де Оның көрген хорлығын бөлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық. 14Себеби бул жерде бизлердиң мәңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы әрман етемиз.
15Сонлықтан Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин. 16Жақсылық ислеўди ҳәм өзлериңизде болған нәрсени басқалар менен бөлисиўди умытпаңлар. Өйткени бундай қурбанлықлар Қудайға унайды.
17Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳәм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер.
18Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер өзлеримиздиң пәк ҳүжданға ийе екенимизге ҳәм ҳәр тәреплеме ҳадал өмир сүриўди қәлейтуғынымызға исенемиз. 19Әсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди өтиниш етемен.

 

Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер

 

20Өз қанын төгип, мәңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Қудай өлимнен тирилтти. 21Усы Қудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳәр бир жақсы нәрсени жеткизсин. Өзине унайтуғын нәрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде әмелге асырсын. Масихқа мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
22Туўысқанларым, сизлерге өтиниш етемен, усы нәсият сөзлеримди қабыл етиңлер. Өйткени мен сизлерге қысқаша жаздым. 23Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди көриўге бараман. 24Жетекшилериңиздиң ҳәммесине ҳәм пүткил исениўшилерге[56] сәлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сәлем айтып атыр. 25Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!

 

 

 

 

Аян

Юханға Қудай тәрепинен көрсетилген Аян

 

Китап ҳаққында мағлыўмат

 

Бул китапты елши Юхан жазған. I әсирдиң ақырында күшли қуўдалаўлар болып, Юхан бир атаўға сүргин етилген еди. Сол жерде Қудай оған аян көрсетип, Азия үлкесиндеги (ҳәзирги Туркияның қубла бөлеги) исениўши жети жәмәәтке қарата хатлар жазғызды. Оларға қыйыншылық ҳәм қуўдалаўларда исенимде беккем турыўды айтып, жол-жорықлар берди. Бирақ, Қудай бул сөзлерди тек усы жети жәмәәтке емес, ал дүнья жүзиндеги барлық исениўши жәмәәтлерге айтты, деп түсиниў керек.
Және де, китапта заманның ақырында Қудайдың Өзине қарсы болған ҳүкимдарлық ҳәм бийликлерди Ийса Масих арқалы жазалаўы, жаўызлықтың толық жеңилиске ушыраўы, пүткил жаўызлықтың тийкары болған шайтанның дозаққа тасланыўы ҳаққында айтылады. Китаптың ақырында Қудайға садық болған исениўшилердиң жаңа аспан ҳәм жаңа жерди мийрас етип алып, Қудайдың Патшалығына кириўи ҳаққында сөз етиледи.

 

1

 

Китаптың мазмуны

 

1Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Өз хызметшилерине билдириў ушын Қудайдың Ийса Масихқа[1] берген аяны. Ал Ол Өз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди. 2Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти. 3Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.

 

Исениўши жети жәмәәтке сәлемнама

 

4-5Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан[2], исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин!
Ийса Масих бизлерди сүйип, Өз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды 6ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳәм қүдирет мәңгиге Оныки болсын!
Аўмийин.

 

7«Мине, Ол бултлар менен келмекте![3]
Ҳәр бир көз Оны көреди,
Оның денесин тескенлер де көреди.
Жер жүзиниң барлық халықлары,
Ол себепли өкирип жылайды»[4].

 

Аўа, усылай болады, аўмийин.
8Ҳәзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман[5]».
9Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзин ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим. 10Ийемиздиң күнинде[6], мени Мухаддес Руўх[7] басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим. 11«Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Ефес, Смирна[8], Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди даўыс.
12Сөйлеп турғанды көриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим. 13Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына[9] уқсаған биреў тур еди. 14Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди. 15Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди. 16Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.
17Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди:
– Қорқпа! Мен – биринши ҳәм соңғыман.
18Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңгиге тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Мениң қолымда.
19Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз. 20Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң жетекшилери[10], жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.

 

2

 

Ефес жәмәәтине

 

1– Ефес жәмәәтиниң жетекшисине[11] жаз.
Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди: 2«Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың. 3Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың.
4Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың. 5Солай етип, не нәрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тәўбе қылып, дәслепки ислериңди даўам ет. Егер тәўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман. 6Деген менен, сенде бир унамлы қәсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек көресең. Оларды Мен де жек көремен.
7Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Қудайдың жәннетиндеги өмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».

 

Смирна жәмәәтине

 

8– Смирна жәмәәтиниң жетекшисине[12] жаз.
Өлип, өлимнен қайта тирилген, биринши ҳәм соңғы болған былай дейди: 9«Сениң қайғы-ҳәсиретиңди ҳәм кәмбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Өзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сөзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны. 10Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Өлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған өмир тажын беремен.
11Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши өлимнен ҳеш қандай зәлел көрмейди».

 

Пергам жәмәәтине

 

12– Пергам жәмәәтиниң жетекшисине[13] жаз.
Еки жүзли өткир қылышқа ийе болған былай дейди: 13«Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳәтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде өлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың.
14Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Балаам тәлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гөшин жеўге ҳәм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Балаам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди. 15Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тәлийматын тутыўшылар да бар. 16Бул ушын тәўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман.
17Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна[14] ҳәм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди».

 

Тиатира жәмәәтине

 

18– Тиатира жәмәәтиниң жетекшисине[15] жаз.
Көзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Қудайдың Улы былай дейди: 19«Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен көбирек екенин де билемен.
20Деген менен, саған бир қарсылығым бар: өзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳәм бутларға сойылған қурбанлық гөшин жеўге үйретпекте. 21Тәўбе етиўи[16] ушын оған мәўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тәўбе етиўди қәлемейди. 22Мине, Мен оны кеселлик төсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳәсиретке дуўшар етемен. 23Оның изине ергенлерди[17] де өлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жәмәәтлер Мениң кеўил ҳәм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳәр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман. 24-25Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тәлийматын тутпай, „шайтанның тәлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў: „Мен келемен дегенше, өзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман.
26Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен.

 

27„Ол оларды темир таяқ пенен басқарып,
Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“[18].

 

Әкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады. 28Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен. 29Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».

 

3

 

Сардис жәмәәтине

 

1– Сардис жәмәәтиниң жетекшисине[19] жаз.
Қудайдың жети руўхына[20] ҳәм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жәмәәт деген атың бар, бирақ сен өлисең. 2Сергек бол! Еле өлмей қалған, енди өлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Қудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин көрдим. 3Сонлықтан өзиң қабыл алып еситкен тәлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тәўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң.
4Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған[21] айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Өйткени олар усыған ылайықлы. 5Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Өмир китабынан[22] ҳеш қашан өширмеймен. Әкемниң ҳәм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тән аламан. 6Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».

 

Филадельфия жәмәәтине

 

7– Филадельфия жәмәәтиниң жетекшисине[23] жаз.
Мухаддес ҳәм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди: 8«Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сөзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң. 9Қара, шайтанның жыйынынан болғанларды, өзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған өтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳәм сениң аяғыңа бас урыўға мәжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды көрсетемен. 10Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман.
11Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, өзиңде бар нәрсеге беккем бол. 12Жеңип шыққанды Қудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Қудайымның атын, Қудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Қудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳәм Өзимниң жаңа атымды жазаман. 13Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».

 

Лаодикия жәмәәтине

 

14– Лаодикия жәмәәтиниң жетекшисине[24] жаз.
Аўмийин, садық ҳәм ҳақыйқый гүўа, Қудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди: 15«Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Қәне енди, я суўық, я ыссы болсаң! 16Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен. 17Байман, байыдым, ҳеш нәрсеге мүтәж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳәм жалаңаш екенлигиңди билмейсең. 18Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мәсләҳәтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы көринбеў ушын ақ кийимлер, көриўиң ушын көзлериңе сүртетуғын дәри сатып ал.
19Мен сүйгенлеримниң ҳәммесин әшкара етип, тәрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тәўбе ет. 20Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз.
21Мен жеңип шығып, Әкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен. 22Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».

 

4

 

Аспандағы тахт

 

1Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны көрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кәрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге көтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды көрсетемен». 2Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳәм онда Отырғанды[25] көрдим. 3Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың әтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга[26] қоршап турған еди. 4Тахтың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди. 5Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы. 6Және тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди.
Тахттың төрт тәрепинде[27], яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди. 7Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди. 8Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар ҳәм келешекте бар болатуғын ҳәм келетуғын, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9Төрт мақлуқ мәңги өмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын, 10жигирма төрт ақсақал тахтың үстинде отырған мәңги өмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди: 11«Қудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң. Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды».

 

5

 

Мөрленген китап ҳәм Қозы

 

1Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мөр басылып бекитилген бир китапты[28] көрдим. 2Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди. 3Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады. 4Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым. 5Сонда ақсақаллардың бири маған:
– Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мөрлерди бузып, китапты аша алады, – деди.
6Сол ўақытта мен төрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны[29] көрдим.
Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы. 7Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды.
8Қозы китапты алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында тарлы әсбап ҳәм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң[30] дуўаларын билдиреди. 9Олар жаңа алғыс-мақтаў қосығын айтып былай деди:

 

«Сен китапты алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң!
Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил,
халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын,
Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң.
10Оларды патшалығыңа еристирип,
Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың.
Олар жер жүзинде ҳәкимлик етеди».

 

11Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим. 12Олар даўыслап қосық айтып былай деди:

 

«Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет,
ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».

 

13Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим:

 

«Тахтта отырған ҳәм Қозы
алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа
ҳәм қүдиретке мәңгиге ийе болсын!»

 

14Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды.

 

6

 

Бекитилген мөрлердиң бузып ашылыўы

 

1Соңынан мен Қозының бекитилген жети мөрдиң бириншисин бузып ашқанын көрдим. Сонда төрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим. 2Мен қарап, бир ақ атты көрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды.
3Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. 4Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты көрдим. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди. 6Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим.
7Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим. 8Мен қарап, ақшыл сур атты көрдим. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – өлилер мәканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди.
9Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим. 10Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш аласаң?» 11Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти. 13Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан төгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти. 14Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди.
15Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды. 16Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң! 17Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.

 

7

 

Мөрленген 144000 адам

 

1Буннан соң, мен жер жүзиниң төрт мүйешинде турған төрт периштени көрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳәм ҳәр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң төрт самалын услап турған еди. 2Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып: 3«Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди. 4Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5-8Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың, Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың, Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың, Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды.

 

Ақ кийим кийген көп адамлар

 

9Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳәм Қозының алдында тур еди. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди. 10Олар бәлент даўыс пенен:
«Қутқарыў тахт үстинде отырған
Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди.
11Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди:

 

12«Аўмийин.
Алғыс, даңқ, даналық,
мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет
мәңгиге Қудайымыздики болсын.
Аўмийин».

 

13Сонда ақсақаллардың бири меннен:
– Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14– Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен.
Ол маған былай деди:
– Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар. 15Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды. 16Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди. 17Өйткени тахтың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды.

 

8

 

Бекитилген жетинши мөрдиң бузып ашылыўы

 

1Қозы бекитилген жетинши мөрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады.
2Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди.
3Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң[31] дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда хош ийисли затлар берилди. 4Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды.
5Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.

 

Жети кәрнай

 

6Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды.
7Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти.
8Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды. 9Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти. 11Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды.
12Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды.
13Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!»

 

9

 

1Бесинши периште кәрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды көрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди. 2Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳәм ҳаўа қараңғыланып кетти. 3Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди. 4Шегирткелерге жердеги көк шөплерге, өсимликлерге ҳәм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Қудайдың мөри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды. 5Оларға бул адамларды өлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды. 6Сол күнлери адамлар өлим излейди, бирақ таба алмайды. Өлиўди аңсайды, бирақ өлим олардан қашып кетеди.
7Шегирткелердиң көриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди. 8Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди. 9Көкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди. 10Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳәм ийнелери бар еди. Қуйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди. 11Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди.
12Биринши ҳәсирет өтти, мине, буннан соң және еки ҳәсирет келмекте.
13Алтыншы периште кәрнайын шертти. Сонда мен Қудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның төрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим. 14Даўыс қолында кәрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дәрьясының жанында байлаўлы турған төрт периштени босатып жибер», – деди. 15Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳәм сол жыл ушын таяр турған төрт периште адамлардың үштен бирин өлтириў ушын босатылып жиберилди. 16Олардың атлы әскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим.
17Аянымда көрген атлар менен атлылардың көриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара көкшил ҳәм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳәм күкирт шығып турған еди. 18Адамзаттың үштен бири усы үш бәледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳәм күкирттен өлди. 19Өйткени атлардың күши аўызларында ҳәм қуйрықларында еди. Қуйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди. 20Усы бәлелерден өлмей қалған адамлар өз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпеди. Олар я көре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳәм ағаштан исленген бутларға ҳәм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди. 21Және де адам өлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳәм урлық ислеўди қойып, тәўбе етпеди.

 

10

 

Периште ҳәм китапша

 

1Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени көрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди. 2Оның қолында ашылған бир китапша[32] бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып, 3арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди. 4Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди. 6Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги тири Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады. 7Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди.
8Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты. 11Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».

 

11

 

Еки гүўа

 

1Соннан кейин, маған өлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди:
– Бар да, Қудайдың Ибадатханасын ҳәм қурбанлық шалынатуғын орынды өлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық. 2Ал Ибадатхананың сыртқы ҳәўлисин өлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады. 3Мен Өзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.
4Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Қудай алдында турған еки зәйтүн ағашын ҳәм еки шыра қойғышты билдиреди. 5Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай өлтириледи. 6Бул еки гүўа өзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Және олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қәлесе, жер жүзин сонша ҳәр түрли бәлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.
7Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳәм оларды жеңип өлтиреди. 8Олардың өлиги тымсалый түрде Содом ҳәм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың көшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди. 9Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳәм миллетлердиң адамлары олардың өлигине қарап, денелерин қәбирге қойыўға рухсат етпейди. 10Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳәм бир-бирине саўғалар жибереди. Өйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.
11Бирақ үш ярым күннен соң, Қудайдан келген өмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны көргенлерди күшли қорқыныш бийледи. 12Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың өзлерине: «Бул жерге көтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының көз алдында бир булт үстинде аспанға көтерилип кетти. 13Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳәм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Қудайды алғыслады.
14Екинши ҳәсирет өтти. Мине, үшинши ҳәсирет жақынлап келмекте.

 

Жетинши кәрнай

 

15Жетинши периште кәрнайын шертти. Аспаннан бәлент даўыслар еситилип:

 

«Дүнья жүзи патшалығы Қудай
Ийемиздики ҳәм Оның Масихыники болды.
Ол мәңгиге патшалық етеди», – деди.

 

16Қудайдың алдында өз тахтларында отырған жигирма төрт ақсақал жерге бас урып, Қудайға табынды ҳәм былай деди:

 

17«Ҳәмме нәрсеге қүдиретли,
бар болған ҳәм ҳәзир де бар Қудай Ийемиз!
Саған шүкирлик етемиз.
Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди.
Енди болса, Сениң ғәзебиң олар үстине жаўды.
Өлилерди ҳүким етиў,
Хызметшилериң болған пайғамбарларға,
мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳәм
жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».

 

19Сонда Қудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳәм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы көринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳәм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.

 

12

 

Ҳаял ҳәм айдарҳа

 

1Аспанда бир уллы кәраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял көринди. 2Ҳаял ҳәмледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди. 3Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди. 4Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды. 5Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дәрҳал Қудайға, Қудайдың тахтына алып келинди. 6Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди.
7Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да, 8күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды. 9Үлкен айдарҳа, әзәзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.
10Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим:

 

«Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы
ҳәм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады.
Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы,
Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни
айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11Туўысқанларымыз Қозының қаны менен
ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди.
Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды.
12Сонлықтан, ҳәй, аспан ҳәм онда жасаўшылар шадланыңлар!
Ал жер ҳәм теңиз сизлер ҳәсирет шегесизлер!
Себеби шайтан қәҳәрли түрде үстилериңизге түсти.
Ол өз ўақтының аз қалғанын биледи».

 

13Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти. 14Ҳаялдың жыланнан шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл[33] бағылыўы лазым еди. 15Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды. 16Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти. 17Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды. Айдарҳа теңиз жағасында турып алды[34].

 

13

 

Теңизден шыққан жыртқыш ҳайўан

 

1Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын көрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Қудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди. 2Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди. 3Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти. 4Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды. 6Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады. 7Оған мухаддеслерге[35] қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды. 8Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9Қулағы бар мыналарды еситип алсын:

 

10«Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса,
Ол тутқынға түседи.
Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса,
Ол қылыш пенен өлтириледи»[36].

 

Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.

 

Жерден шыққан жыртқыш ҳайўан

 

11Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди. 12Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи. 13Ол үлкен кәраматлар[37] ислеп, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды. 14Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлар[38] арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды. 15Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесин өлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди. 16Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи. 17Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.

 

14

 

Қозы ҳәм 144000 адам

 

1Соңынан қарап, Қозының Сион таўының[39] үстинде турғанын көрдим. Қозы менен бирликте маңлайларында Қозының ҳәм Оның Әкесиниң аты жазылған бир жүз қырық төрт мың адам бар еди. 2Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы әсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди. 3Усы бир жүз қырық төрт мың адам тахтың, төрт мақлуқтың ҳәм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны өтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди. 4Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пәк адамлар еди[40]. Қозы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Қудайдың ҳәм Қозының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар. 5Аўызларынан жалған сөз шықпаған олар – минсиз адамлар.
6Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени көрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳәр бир миллет ҳәм урыўға, ҳәр бир тил ҳәм халыққа жәрияланатуғын мәңги Хош Хабарға ийе еди. 7Ол бәлент даўыс пенен: «Қудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳәм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди.
8Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Қулады! Өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!»
9Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бәлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе, 10ол Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесесинде[41] таярланған Қудайдың ғәзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳәм Қозының алдында от ҳәм жанып турған күкирттен азап шегеди. 11Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық көрмейди. 12Сол ўақытта Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң[42] сабырлығы керек болады».
13Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рәҳәтин көреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх.

 

Жердиң зүрәәтин жыйнаў

 

14Соңынан мен қарап, бир ақ бултты көрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында өткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди. 15Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бәлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Өйткени жердиң зүрәәти писип жетилисти», – деди.
16Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳәм жердиң зүрәәти орылды.
17Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да өткир орағы бар еди. 18Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, өткир орақлыға бәлент даўыс пенен: «Өткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди.
19Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрәәтин жыйнап алды. Оны Қудайдың ғәзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды. 20Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым[43] жерге дейин барды ҳәм атлардың жүўенлерине шекем көтерилди.

 

15

 

Жети периште ҳәм жети бәле

 

1Мен аспанда және уллы ҳәм таң қаларлық басқа бир белги көрдим. Бул – қолында соңғы жети бәле бар жети периште еди. Өйткени усы бәлелер менен Қудайдың ғәзеби жуўмақланатуғын еди.
2Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нәрсени көрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳәм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Қудайдың берген тарлы әсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди. 3Олар Қудайдың хызметшиси Муўсаның ҳәм Қозының қосығын айтып турған еди:

 

«Ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийе,
Сениң ислериң уллы ҳәм әжайып,
О, миллетлер Патшасы![44]
Сениң жолларың ҳақыйқат ҳәм әдил.
4Ийем, Сеннен қорқпайтуғын,
атыңды алғысламайтуғын ким бар?
Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең.
Пүткил миллетлер келип,
Сениң алдыңда табынады.
Өйткени Сениң әдил ислериң аян болды».

 

5Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының[45] ашылғанын көрдим. 6Қолында жети бәле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, көкиреклерине алтын өңирше байлап, Ибадатханадан шықты. 7Төрт мақлуқтың бири жети периштеге мәңгиге жасаўшы Қудайдың қәҳәрли ғәзебине толы жети алтын кесе берди. 8Ибадатхана Қудайдың уллылығының ҳәм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бәлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.

 

16

 

Қудайдың ғәзебине толы жети кесе

 

1Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бәлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Қудайдың ғәзебине толы жети кесени жерге төгиңлер!» – дегенин еситтим.
2Сонда биринши периште барып, кесени жерге төкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.
3Екинши периште кесесин теңизге төкти. Теңиз өлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.
4Үшинши периште кесесин дәрьяларға ҳәм суў булақларына төкти. Олар да қанға айланды. 5Суўлар үстинен ҳәкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим:

 

«Ҳәзир бар ҳәм бурыннан бар болған мухаддес Қудайымыз!
Сениң шығарған бул ҳүкимлериң әдил.
6Мухаддеслердиң[46] ҳәм пайғамбарлардың қанын төккени ушын,
Сен оларға қан ишкиздиң.
Буған олар ылайықлы».

 

7Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим:

 

«Аўа, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз,
Сениң ҳүкимлериң туўры ҳәм әдил».

 

8Төртинши периште кесесин қуяшқа төкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди. 9Адамларды күшли ҳәўир күйдирип жиберди. Олар тәўбе етпеди ҳәм усы бәлелердиң үстинен бийликке ийе болған Қудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.
10Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине төкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи. 11Бирақ олар жаман ис-ҳәрекетлери ушын тәўбе етпей, көрип атырған азаплары ҳәм жаралары себепли, аспандағы Қудайға тил тийгизди.
12Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дәрьясына төкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дәрьяның суўы қурып қалды. 13Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳәм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты көрдим. 14Бул руўхлар – кәраматлар[47] ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.
15«Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса).
16Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады. 17Жетинши периште кесесин ҳаўаға төкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бәлент бир даўыс: «Орынланды», – деди. 18Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес. 19Уллы қала үшке бөлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Қудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Өзиниң қәҳәрли ғәзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди. 20Барлық атаўлар орнынан көшип, таўлар жоқ болып кетти. 21Аспаннан адамлардың үстине ҳәр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бәле ушын Қудайға тил тийгизди.

 

17

 

Жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған ҳаял

 

1Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сөйлесе баслап былай деди:
– Берман кел, мен саған көп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын көрсетемен. 2Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мәс болған еди.
3Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шөлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Қудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды көрдим. 4Ҳаял қызғылт көк ҳәм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нәрселерге ҳәм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди. 5Ал маңлайына болса:
«УЛЛЫ БАБИЛОН,
ДҮНЬЯНЫҢ БУЗЫҚЛАРЫНЫҢ ҲӘМ ЖЕРКЕНИШЛИ НӘРСЕЛЕРИНИҢ АНАСЫ», –
деген сырлы ат жазылған еди.
6Ҳаялдың мухаддеслердиң[48] ҳәм Ийса ҳаққында гүўалық берип өлгенлердиң қанына мәс екенин көрдим.
Буны көрип, мен қатты таң қалдым. 7Периште маған былай деди:
– Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳәм оны көтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен. 8Сен көрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳәзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Өмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды көргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ және келеди.
9Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳәм жети патшаны билдиреди. 10Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды. 11Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның өзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.
12Сен көрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт[49] патшалық етиў ушын бийлик алады. 13Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳәм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди. 14Олар Қозыға қарсы урысады, бирақ Қозы оларды жеңеди. Өйткени Қозы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳәм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳәм Оған садық қалғанлар.
15Соңынан периште маған былай деди:
– Мына сен көрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳәм тиллер. 16Сен көрген он шақ ҳәм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек көрип, оның ҳәмме нәрсесин талан-тараж етеди ҳәм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, өзин отқа жандырады.
17Себеби Қудай Өзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Қудайдың сөзлери орынланыўға дейин олар өз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди. 18Сен көрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳәкимлик ететуғын уллы қала.

 

18

 

Бабилонның қулаўы

 

1Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти. 2Периште қатты даўыслап былай деди:

 

«Қулады! Уллы Бабилон қулады!
Ол енди жинлердиң мәканы,
Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы,
Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли
қуслардың уясы болды.
3Өйткени барлық миллетлер
оның бузықшылығының күшли шарабын ишти[50].
Дүньяның патшалары оның менен
бирге бузықшылық иследи.
Дүньяның саўдагерлери де оның
асып-тасқан молшылығынан байып кетти».

 

4Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди:

 

«Ҳәй, халқым!
Оның гүналарына шерик болып,
Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын,
оннан шығып кет!
5Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти,
Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар.
Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар,
Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса,
оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер.
Өйткени ол өз кеўлинде:
„Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен.
Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди.
8Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине
бир күнниң ишинде дуўшар болады,
ол отта жанып күл болады.
Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли».

 

9Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды. 10Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып:

 

«Ўай-ўай, уллы қала,
күшли қала Бабилон!
Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.

 

11Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ. 12Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт көк ҳәм қырмызы гезлемелерди, ҳәр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселерди, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымларды, 13дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселерди, хош ийисли түтеткилерди, әтир май, әтир, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, қулларды[51], және де адам жанын сататуғын ҳәм сатып алатуғын еди.
14Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады.
16Олар былай дейди:

 

«Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт көк ҳәм қырмызы липаслар кийген,
алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды».

 

Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып, 18ол жанған оттың түтинин көргенде:
«Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды. 19Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты:

 

«Ўай, ўай, уллы қала!
Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси
ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди.
Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына,
Ҳәй аспан, мухаддеслер[52], елшилер ҳәм пайғамбарлар!
Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды».

 

21Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди:

 

«Уллы қала Бабилон!
Минекей, ол усындай күш пенен
ылақтырылып, мәңгиге жоқ болады.
22Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң,
қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң даўыслары
ҳеш қашан еситилмейди.
Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды,
дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды.
Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди.
Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып,
пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24Және де, пайғамбарлардың,
мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң
ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди».

 

19

 

Ҳалилуйя

 

1Буннан соң, мен аспанда көп санлы аламанның даўысына уқсаған бәлент даўысларды еситтим. Олар былай деди:

 

«Ҳалилуйя[53]!
Қутқарыў, уллылық ҳәм қүдирет
Қудайымызға тийисли.
2Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳәм әдил.
Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған
уллы бузық ҳаялды ҳүким етип,
Өз хызметшилериниң қаны ушын оннан өш алды».

 

3Олар және даўыслап былай деди:

 

«Ҳалилуйя!
Бузық ҳаялдың жанған отының түтини
мәңгиге бурқырап турады».

 

4Сонда жигирма төрт ақсақал ҳәм төрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Қудайға табынды.
5Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди:

 

«Ҳәй, Қудайымыздың барлық хызметшилери!
Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳәммеңиз,
Оны алғыслаңлар!»

 

6Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди:

 

«Ҳалилуйя!
Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз патшалық етеди.
7Шадланып, кеўил көтерейик!
Оны даңққа бөлейик!
Себеби Қозының неке тойы басланажақ,
Оның қалыңлығы өзин таярлады.
8Оған кийиў ушын,
Таза, жарқыраған аппақ көйлек берилди».

 

Таза, аппақ көйлек – мухаддеслердиң[54] ҳақ ислерин билдиреди.
9Сонда периште маған:
– Былай деп жаз: «Қозының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди.
Ол және:
– Бул сөзлер – Қудайдың ҳақыйқат сөзлери, – деди.
10Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди:
– Бундай қыла гөрме! Мен де сен ҳәм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын! Өйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тәрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сөзлериниң тийкары[55], – деди.

 

Ақ Атлы

 

11Буннан соң, мен аспанның ашылғанын көрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң[56] аты Садық ҳәм Ҳақыйқат еди. Ол әдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди. 12Оның көзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса көп санлы таж бар еди. Онда Өзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди. 13Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Қудайдың Сөзи еди. 14Таза ҳәм аппақ кийим кийген аспан ләшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди. 15Оның аўзынан өткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди өлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳәм ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың қәҳәрли ғәзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Өзи басады. 16Оның кийиминде ҳәм санында:
«ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲӘМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ»,
деген ат жазылған еди.
17-18Соңынан мен қуяшта турған бир периштени көрдим. Ол бәлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди: «Патшалардың, әскербасылардың ҳәм күшли адамлардың, атлардың ҳәм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳәммениң өлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Қудайдың уллы зыяпатына келиңлер».
19Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳәм олардың ләшкерлерин көрдим. Олар атта Отырған менен ҳәм Оның ләшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди. 20Жыртқыш ҳайўан ҳәм оның алдында кәраматлар[57] ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды өз кәраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от көлине тирилей ылақтырылды. 21Ал қалғанлар атта Отырғанның[58] аўзынан шыққан қылыш пенен өлтирилди. Барлық қуслар олардың өлигиниң етин жеп тойды.

 

20

 

Мың жыл

 

1Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳәм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. 2Периште айдарҳаны, яғный әзәзүл ҳәм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады. 3Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мөрлеп таслады. Мың жыл өткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.
4Соңынан мен тахтларды ҳәм оларда отырғанларды көрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳәм Қудайдың сөзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да көрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳәм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти.
5Бул – биринши қайта тирилиў. Қалған өлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди. 6Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳәм мухаддес. Екинши өлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Қудайдың ҳәм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди.

 

Шайтанның жазаланыўы

 

7Мың жыл өткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи. 8Жер жүзиниң төрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳәм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады. 9Олар жер жүзин басып өтип, мухаддеслердиң[59] мәканы болған Қудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди. 10Ал оларды азғырған шайтан от ҳәм күкирт көлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳәм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мәңгиге азап шегеди.

 

Өлилердиң ҳүким етилиўи

 

11Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳәм тахтта Отырғанды[60] көрдим. Жер ҳәм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти. 12Тахттың алдында турған үлкен-киши өлилерди де көрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Өмир китабы еди. Өлилер китапларда жазылғанлар бойынша, өз ислерине қарай ҳүким етилди. 13Теңиз өзинде болған өлилерди, өлим ҳәм өлилер мәканы да өзлеринде болған өлилерди шығарып берди. Ҳәр бири өз ислерине қарай ҳүким етилди. 14Өлим ҳәм өлилер мәканы от көлине ылақтырылды. Бул от көли – екинши өлим. 15Атлары Өмир китабында жазылмағанлардың ҳәммеси от көлине ылақтырылды.

 

21

 

Жаңа аспан ҳәм жаңа жер

 

1Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди көрдим. Себеби бурынғы аспан ҳәм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди. 2Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди. 3Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды. 4Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти».
5Тахтта Отырған:
– Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди. 6Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен. 7Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады. 8Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим.

 

Жаңа Ерусалим

 

9Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип:
– Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди.
10Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти. 11Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди. 12Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди. 13Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди. 14Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеў ушын, өлшейтуғын алтын таяқ бар еди. 16Қала төрт мүйеш тәризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым[61] болып шықты. 17Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Адамның өлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр[62] болып шықты. 18Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди. 19Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси көк сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси жасыл зумрат, 20бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси көк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси көк яқыт, он екиншиси қызғылт көк аметист. 21Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди. 23Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди. 24Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди. 25Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды. 26Адамлар өз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди. 27Оған ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ҳәм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди.

 

22

 

1Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған өмир суўының дәрьясын көрсетти. Бул дәрья Қудайдың ҳәм Қозының тахтынан шығып, 2қаланың кең көшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын өмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди. 3Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Қудайдың ҳәм Қозының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди. 4Олар Қудайдың жүзин көреди, маңлайларына Оның аты жазылады. 5Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Қудай Ийемиздиң Өзи оларға жақты болады ҳәм олар мәңгиге патшалық етеди.

 

Ийсаның келиўи

 

6Соңынан периште маған былай деди:
– Бул сөзлер – исенимли ҳәм ҳақыйқат. Өз пайғамбарларына Руўхын берген Қудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Өз периштесин жиберди.
7«Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса.
8Мен – усыларды еситкен ҳәм көрген Юханман. Буларды еситип ҳәм көргенимде, усыларды маған көрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым. 9Бирақ ол маған:
– Бундай қыла гөрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳәм бул китаптың сөзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын, – деди.
10Соңынан ол маған былай деди:
– Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин мөрлеп таслама. Өйткени ўақыт жақын қалды. 11Жаманлық қылатуғын адам және де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам және де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын.
12Ийемиз Ийса былай дейди:
«Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Өзим менен бирге. Ҳәр бир адамға ислерине қарай қайтараман. 13Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман, басы ҳәм ақырыман.
14Өмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳәм қалаға дәрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы! 15Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам өлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, өтирикти жақсы көрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳәммеси сыртта қалады.
16Мен, Ийса, исениўши жәмәәтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Өз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳәм урпағы, жақты таң жулдызыман».
17Мухаддес Руўх ҳәм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳәр бир адам: «Кел!» десин. Шөллеген адам келсин, қәлеген адам өмир суўынан ешейин алсын.
18Бул китаптағы пайғамбаршылық сөзлерин еситкен ҳәр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сөзлерге бир нәрсе қосса, Қудай да оны бул китапларда жазылған бәлелерге дуўшар етеди. 19Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сөзлеринен бир нәрсе алып тасласа, Қудай да оны бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады.
20Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди.
Аўмийин! Келе гөр, Ийем Ийса!
21Ийемиз Ийсаның мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.

 

 

 


notes

[1]

2:11 - Хаўила – «қум жери» дегенди билдиреди. Бул жер шығыс Арабияда жайласқан болыўы мүмкин.

 

[2] 2:13 - Куш – әййемги Нубия ямаса Эфиопияда болса керек.

 

[3] 2:14 - Ашшур – ҳәзирги Ирак елинде орналасқан ерте дәўирдеги Ассирия патшалығының пайтахты.

 

[4] 2:23 - Ҳаял адам – ески еврей тилинде иш – еркек, иша – ҳаял деген мәнисти билдиреди. Ҳаял сөзи еркек сөзиниң түбиринен келип шыққан.

 

[5] 3:20 - Ҳаўа – еврей тилинде «өмир» дегенди билдиреди.

 

[6] 3:24 - Керуб – қанатлы руўхый барлықлар.

 

[7] 4:21 - Лира – бармақ пенен шертилетуғын туўры мүйешли тарлы саз әсбабы.

 

[8] 4:25 - Шет – еврей тилинде сөзбе-сөз: «қойыў», «сыйға бериў» дегенди билдиреди.

 

[9] 6:2 - Иләҳий барлықлар – еврейшеден сөзбе-сөз аўдарғанда «Қудайдың уллары» ямаса «қудайлардың уллары» дегенди билдиреди. Бул еврейше сөз Ески Келисимниң басқа жерлеринде де иләҳий барлықларға қолланылғаны ушын, илимпазлардың көпшилиги усы аятта да бул сөз иләҳий барлықларды билдиреди деп түсиндиреди.

 

[10] 6:14 - Гофер ағашы – ағаштың қандай түри екенлиги белгисиз.

 

[11] 6:15 - Шығанақ – бармақтың ушынан қолдың шығанағына шекемги аралық, шама менен 45-50 см.

 

[12] 10:10 - Шынар – бул жер ҳәзирги Ирактың қубла тәрепинде жайласқан болып, кейинирек Бабилон патшалығына айланған.

 

[13] 10:10 - Бабыл – бул Бабилон.

 

[14] 10:25 - Пелег – «бөлинип кетти» дегенди билдиреди.

 

[15] 11:9 - Бабыл – «араласыў» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[16] 14:18 - Таала – «ең жоқарғы» дегенди билдиреди.

 

[17] 14:18 - Сәлем – Ерусалимниң ески аты.

 

[18] 16:7 - Шур – Мысырдың шығыс шегарасындағы жер. Ажар мысырлы еди.

 

[19] 16:11 - Исмайыл – «Қудай еситеди» ямаса «Қудай еситсин» дегенди билдиреди.

 

[20] 16:13 - Эл-Роий – «мени көрип турған Қудай» дегенди билдиреди.

 

[21] 16:14 - Беер-Лахай-Роий – «мени көрип турған Тири Қудайдың қудығы» дегенди билдиреди.

 

[22] 17:5 - Ибрам... Ибрайым – еврейшеде Ибрам – «уллы әке», ал Ибрайым – «көплердиң әкеси» дегенди билдиреди.

 

[23] 17:15 - Сарай... Сара – еврейшеде бул еки ат та «ханбийке» деген мәнисти билдиреди.

 

[24] 18:6 - Үш табақ – еврейше «үш сеа», ол шама менен 20 килограммға тең келеди.

 

[25] 19:22 - Соар – «кишкене» дегенди билдиреди.

 

[26] 21:3 - Ысақ – «күледи» дегенди билдиреди.

 

[27] 21:31 - Беер-Шеба – «ант қудығы» ямаса «жетиниң қудығы» дегенди билдиреди.

 

[28] 21:33 - Тамариск – жыңғылға уқсаған, бирақ оннан бийик ҳәм сулыў терек.

 

[29] 22:14 - Яҳўе-Ире – «Жаратқан Ийе көреди», яғный «Жаратқан Ийе жеткереди» дегенди билдиреди.

 

[30] 23:15 - Төрт жүз шекел – шама менен 4,5 кг.

 

[31] 24:2 - Қолыңды санымның астына қойып – бул ис-ҳәрекет берилген анттың жүдә әҳмийетли екенлигин ҳәм бузылмас ант екенлигин билдиреди.

 

[32] 24:10 - Арам-Наҳарайым – еврейше мәниси «Еки дәрьяның Арамы». Бул Евфрат дәрьясының шығысында, ҳәзирги Сирия мәмлекетиниң арқа тәрепинде жайласқан жерлер. Ибрайымның базы ағайинлери усы жерде жасаған. Арам-Наҳарайым және де Паддан-Арам (25:20 қа қараң) ҳәм Паддан (48:7) атлары менен танылған.

 

[33] 25:18 - Олар туўысқанларының шығыс тәрепинде жасады – Ямаса: Олар барлық туўысқанлары менен жаўласып өмир сүрди.

 

[34] 25:20 - Паддан-Арам – Арам-Наҳарайым. 24:10 түсиндирмеге қараң.

 

[35] 25:25 - Эсаў – бул аттың мәниси анық емес, ол «жүнли» дегенди билдириўи мүмкин.

 

[36] 25:26 - Яқып – «табанды услап алады», астарлы мәниси «алдайды».

 

[37] 25:30 - Эдом – «қызыл» дегенди билдиреди.

 

[38] 26:20 - Эсек – «таласыў» дегенди билдиреди.

 

[39] 26:21 - Ситна – «душпанлық» дегенди билдиреди.

 

[40] 26:22 - Рехобот – «кеңлик» дегенди билдиреди.

 

[41] 26:33 - Шеба – «ант» ямаса «жети» дегенди билдиреди.

 

[42] 28:2 - Паддан-Арам – Арам-Наҳарайым. 24:10 түсиндирмеге қараң.

 

[43] 28:19 - Бейт-Эл – «Қудайдың Үйи» дегенди билдиреди.

 

[44] 29:32 - Рубен – «улды көр» дегенди билдиреди.

 

[45] 29:33 - Шимон – «еситиў» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[46] 29:34 - Лебий – «байланған» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[47] 29:35 - Яҳуда – «алғыс» дегенди билдиреди.

 

[48] 30:6 - Дан – «ҳүким етти» яғный «ақлады» дегенди билдиреди.

 

[49] 30:8 - Нафталий – «гүрес» дегенди билдириўи мүмкин.

 

[50] 30:11 - Гад – «бахыт» дегенди билдиреди.

 

[51] 30:13 - Ашер – «қуўаныш» дегенди билдиреди.

 

[52] 30:14 - Мәргия шөплер – бул өсимликтиң мийўелери жынысый қәлеўди күшейтип, ҳаялдың ҳәмиледар болыўына мүмкиншилик жаратады деп исенген.

 

[53] 30:18 - Иссахар – «сый» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[54] 30:20 - Зебулон – «қәдирлеў» дегенди аңлатыўы мүмкин.

 

[55] 30:24 - Юсуп – «қосып береди» дегенди билдиреди.

 

[56] 31:27 - Лира – 4:21 түсиндирмеге қараң.

 

[57] 31:47 - Егар-Саҳадута ... Гал-Эд – биринши аты арамейше, екинши аты еврейше болып, екеўи де «гүўалық үйиншиги» дегенди билдиреди.

 

[58] 31:49 - Миспа – «гүзетиў орны» дегенди билдиреди.

 

[59] 32:2 - Маханайым – «қос орда» дегенди билдиреди.

 

[60] 32:28 - Израил – «Қудай гүреседи» ямаса «Қудай менен гүреседи» дегенди билдиреди.

 

[61] 32:30 - Пену-Эл – «Қудайдың жүзи» дегенди билдиреди.

 

[62] 33:17 - Суккот – «қоралар» дегенди билдиреди.

 

[63] 33:20 - Эл-Элоҳе Израил – «Қудай – Израилдың Қудайы» дегенди билдиреди.

 

[64] 35:7 - Эл-Бейт-Эл – «Бейт-Элдиң Қудайы» дегенди билдиреди.

 

[65] 35:18 - Беноний – «қайғы улы» дегенди билдиреди.

 

[66] 35:18 - Бенямин – «оң қолымның улы» ямаса «бахыт улы» дегенди билдиреди.

 

[67] 38:29 - Перес – «бузып өтиў» дегенди билдиреди.

 

[68] 38:30 - Зерах – «таң шуғласы» деген мәнисте болыўы мүмкин.

 

[69] 41:51 - Менашше – «умыттырыў» дегенди билдиреди.

 

[70] 41:52 - Эфрайым – «еки есе өнимли» дегенди билдиреди.

 

[71] 49:25 - Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен – бунда адамлардың көп балалы болыўы, ал маллардың көп төллеўи нәзерде тутылған.

 

[72] 50:11 - Абел-Мисрайым – «мысырлылардың аза тутыўы» дегенди билдиреди.

[1]

2:10 - Муўса – «шығарып алынған» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[2] 2:22 - Гершом – «ол жерде келгинди» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды.

 

[3] 3:1 - Итро – бул 2:18 аяттағы Реуелдиң басқа аты.

 

[4] 3:15 - Бар Болыўшы – Қудайдың аты еврей тилинде «Яҳўе» болып, «болыў» деген фейилден дөретилген. Яҳўе сөзи улыўма Жаратқан Ийе деп алынды.

 

[5] 10:19 - Қамыс теңизи – бул әдетте «Қызыл теңиз» деп аўдарылып келген. Еврейше текстте буны «Қамыс теңизи» деп атайды.

 

[6] 12:22 - Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик.

 

[7] 13:4 - Абиб – израиллылар ушын биринши ай болып есапланып, шама менен март айының ортасынан апрель айының ортасына шекемги ўақыт.

 

[8] 15:23 - Мара – «ашшы» дегенди аңлатады.

 

[9] 16:5 - Алтыншы күни – еврей календары бойынша жума күни алтыншы күн деп есапланған.

 

[10] 16:16 - Бир омер – шама менен 2,2 литр.

 

[11] 16:36 - Бир эфа – шама менен 22 литр.

 

[12] 17:7 - Масса – «сынаў» дегенди билдиреди.

 

[13] 17:7 - Мериба – «урысыў» дегенди билдиреди.

 

[14] 17:15 - Яҳўе Нисси – «Жаратқан Ийе байрағымдур» дегенди аңлатады.

 

[15] 18:4 - Элиезер – «Қудай жәрдем береди» дегенди аңлатады.

 

[16] 21:32 - Отыз шекел – шама менен 350 граммға тең.

 

[17] 23:28 - Ешек ҳәрре – албыраў яки қорқыныш мәнисин билдириўи мүмкин.

 

[18] 25:18 - Керуб – қанатлы руўхый барлықлар.

 

[19] 25:39 - Бир талант – 34,5 кг.

 

[20] 28:30 - Урим менен Туммим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған таслар болып, оларды шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.

 

[21] 29:40 - Төрттен бир ҳин – шама менен 0,9 литрге тең.

 

[22] 30:13 - Бир шекел – 11,4 грамм.

 

[23] 30:13 - Бир гера – 0,57 грамм.

 

[24] 30:24 - Бир ҳин – шама менен 3,7 литрге тең.

 

[25] 32:13 - Израил – яғный Яқып. Қудай Яқыпқа Израил атын берген еди (Жар. 32:28).

 

[26] 37:24 - Бир талант – шама менен 34,5 кг.

 

[27] 38:26 - Беқа, яғный ярым шекел – 5,7 грамм.

 

[28] 38:26 - Шекел – 11,4 грамм.

 

[29] 38:27 - Талант – 34,2 килограмм.

[1]

2:1 - Хош ийисли шайыр – бул әдетте түтетки сыпатында қолланылған.

 

[2] 4:24 - Жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде – бул 1:11 аятта сүўретленгениндей, қурбанлық орынның арқа тәрепинде.

 

[3] 5:3 - Адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсе – 12-15 бапларға қараң.

 

[4] 5:11 - Эфаның оннан бир мөлшериндеги – шама менен 1,3 кг.

 

[5] 5:15 - Мухаддес орын шекел өлшеми – шама менен 10 гр.

 

[6] 6:25 - Жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде – 1:11 аятқа қараң.

 

[7] 11:5 - Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.

 

[8] 14:4 - Кедр – қарағай ағашқа уқсас нәҳән теректиң бир түри.

 

[9] 14:4 - Майоран шөби – бул «назбайгүл» шөбине туқымлас өсимлик.

 

[10] 14:10 - Оннан үш эфа – шама менен 3,9 кг.

 

[11] 14:10 - Бир лог – шама менен 0,3 литр.

 

[12] 14:13 - Жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын мухаддес жерде – 1:11 аятқа қараң.

 

[13] 14:21 - Оннан бир эфа – шама менен 1,3 кг.

 

[14] 16:8 - Азазел – бул дүзде жасайтуғын бир жин болыўы мүмкин.

 

[15] 19:3 - Шаббат күни – еврей календары бойынша жетинши күн болып, Қудай тәрепинен дем алыс күн деп белгиленген (Шығ. 20:8-10; 23:12; 31:15; 34:21; 35:2; Ныз. 5:12-14).

 

[16] 27:16 - Бир хомер арпа – шама менен 150 кг.

 

[17] 27:25 - Мухаддес орынның шекели – шама менен 10 гр.

[1]

3:47 - Жигирма гера – шама менен 10 гр. гүмис.

 

[2] 3:50 - Мухаддес орын өлшеми менен 1365 шекел гүмис – шама менен 13,7 кг.

 

[3] 11:3 - Табера – «жандырылыў» дегенди билдиреди.

 

[4] 11:32 - Он хомер – шама менен 2200 литр муғдарында.

 

[5] 11:34 - Киброт-Ҳаттааўа – «Нәпси қәбирлери» дегенди билдиреди.

 

[6] 13:17 - Ҳошеа – «Қутқарады», ал Ешуа – «Жаратқан Ийе қутқарады» дегенди билдиреди.

 

[7] 13:25 - Эшкол – «Солқым» дегенди билдиреди.

 

[8] 18:16 - Бес шекел – шама менен 50 гр.

 

[9] 20:13 - Мериба – «даў» дегенди билдиреди.

 

[10] 21:3 - Хорма – «Пүткиллей жоқ етиў» ямаса «Бағышланған» дегенди аңлатады.

 

[11] 21:16 - Беер – «қудық» деген мәнини аңлатады.

 

[12] 28:5 - Төрттен бир ҳин – шама менен 0,9 лт.

 

[13] 28:5 - Оннан бир эфа – шама менен 1,3 кг.

 

[14] 28:7 - Төрттен бир ҳин – шама менен 0,9 лт.

 

[15] 28:9 - Оннан еки эфа – шама менен 2,6 кг.

 

[16] 28:14 - Ярым ҳин – шама менен 1,8 кг.

 

[17] 28:14 - Үштен бир ҳин – шама менен 1,2 лт.

 

[18] 28:14 - Төрттен бир ҳин – шама менен 0,9 лт.

 

[19] 29:3 - Оннан үш эфа – шама менен 3,9 кг.

 

[20] 29:3 - Оннан еки эфа – шама менен 2,6 кг.

 

[21] 29:4 - Оннан бир эфа – шама менен 1,3 кг.

 

[22] 34:11 - Киннерет көли – яғный Галила көли.

 

[23] 35:4 - Мың шығанақ – шама менен 450 м.

 

[24] 35:5 - Еки мың шығанақ – шама менен 900 м.

[1]

4:10 - Хореб таўы – бул Синай таўы болыўы мүмкин.

 

[2] 7:20 - Ешек ҳәрре – албыраў яки қорқыныш мәнисин аңлатыўы мүмкин.

 

[3] 14:7 - Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.

 

[4] 16:1 - Абиб – израиллылар ушын биринши ай болып есапланады. Бул шама менен март айының ортасынан апрель айының ортасына шекемги ўақыт.

 

[5] 28:48 - Жаратқан Ийе – ямаса «Душпанларыңыз».

 

[6] 32:15 - Ешурун – Израил халқына берилген басқа атама болып, «Әдил» деген мәнисти береди.

[1]

5:9 - Гилгал – алып таслаў, домалатып таслаў дегенди билдиреди.

 

[2] 5:10 - Қутқарылыў байрамы – еврейше «Пасха», өтиў дегенди билдиреди. Себеби Израил халқы Мысырда қуллықта болған ўақытта, Қудай Израил халқын қуллықтан алып шықты.

 

[3] 7:26 - Ахор – еврей тилинде «бәле» дегенди аңлатады.

 

[4] 9:7 - Хиўлер – гибонлылар хиў халқынан еди.

 

[5] 10:13 - Яшар китабы – «Әдилдиң китабы» дегенди билдиреди. Бул китап бүгинги күнге жетип келмеген.

 

[6] 12:4 - Рефалар – ғайры тәбийғый узын бойлы адамлар болыўы мүмкин.

 

[7] 24:12 - Ешек ҳәрре – албыраў яки қорқыныш мәнисин билдириўи мүмкин.

[1]

1:16 - Пальма қаласы – айырым илимпазлар буны Ерихо қаласы деп түсиндиреди.

 

[2] 2:11 - Баал – Палестинада кенаанлылар табынған бут.

 

[3] 6:19 - Бир эфа – шама менен 22 литр.

 

[4] 6:32 - Еруббаал – Баал гүрессин.

 

[5] 8:26 - Бир мың жети жүз шекел – шама менен 20 килограммға тең.

 

[6] 9:15 - Кедр – қарағай ағашқа уқсас нәҳән теректиң бир түри.

 

[7] 12:6 - Эфрайым урыўының адамлары менен гиладлылар арасындағы диалект өзгеше болып, олардың қолланған сөзлеринде айырмашылық бар еди.

 

[8] 15:17 - Рамат-Лехий – «Жақ сүйеги төбешиги» дегенди билдиреди.

 

[9] 15:19 - Эн-Ҳаққоре – «Шақырғанның булағы» дегенди билдиреди.

 

[10] 18:12 - Махане-Дан – «Дан ордасы» деген мәнисте.

 

[11] 18:29 - Израил – Яқып Қудай тәрепинен Израил деп аталған еди (Жар. 32:28).

[1]

1:1 - Моаб – Өли теңиздиң шығыс тәрепинде жасайтуғын халық. Олар Израил халқының душпаны еди.

 

[2] 1:11 - Сизлерге күйеў болғандай, қурсағымда балам бар ма еди? – Муўсаның Нызамы бойынша адам перзентсиз өлген болса, онда оның аға-иниси ямаса жүдә жақын ағайини марҳумның нәсилин даўам еттириў ушын, оның жесир ҳаялына үйлениўи шәрт болған.

 

[3] 1:15 - Өз қудайына – моаблылар бутларға сыйынатуғын еди.

 

[4] 1:20 - Нағыйма – «жағымлы» дегенди билдиреди.

 

[5] 1:20 - Мара – «ашшы, қайғы» дегенди билдиреди.

 

[6] 2:2 - Масақ терип келейин – Муўсаның Нызамы бойынша кәмбағаллардың терип алыўы ушын, шашылған масақлар атызда қалдырылған.

 

[7] 2:17 - Бир эфа – шама менен 22 литр.

 

[8] 2:20 - Марҳумлар – Нағыйма өлген күйеўин ҳәм еки улын нәзерде тутып атыр.

 

[9] 3:4 - Аяқ уш бетин ашып, сол жерде жат – Рут бул ис-ҳәрекети арқалы өзиниң ғамхоршыға мүтәж екенин ҳәм Боазға турмысқа шығыў қәлеўи барлығын билдире алатуғын еди.

 

[10] 3:15 - Алты өлшем арпа – еврейшеде сөзбе-сөз «алты арпа» болып, оның муғдары анық емес.

 

[11] 4:1 - Қала дәрўазасының жанына – әййемги Израилда ақсақаллар ҳәм абырайлы адамлар қала дәрўазасы жанында ҳәр түрли мәселелерди көрип шығатуғын ҳәм оларды шешетуғын еди.

 

[12] 4:6 - Өз мүлкимди жоғалтып алыўым мүмкин – әййемги Израилдағы нызам бойынша Руттан туўылған бала сол жақын ағайини сатып алған жерге мийрасхор болатуғын еди.

 

[13] 4:11 - Раҳила ҳәм Леа – булар Ибрайымның ақлығы Яқыптың ҳаяллары еди.

 

[14] 4:11 - Эфрата – бул Бейтлеҳемниң ямаса оның дөгерек әтирапындағы жердиң аты (1:2 қа қараң).

 

[15] 4:12 - Яҳуда – Яқыптың Леадан туўылған улы.

 

[16] 4:12 - Перес – Ибрайымның шаўлығы. Оның урпағы жүдә көп санлы болды.

[1]

1:11 - Пәки тиймейди – шаштың кестирилмеўи – адамның Қудайға бағышланыўының белгиси еди.

 

[2] 1:20 - Самуел – «Қудай еситти» деген мәнисти билдириўи мүмкин.

 

[3] 1:24 - Бир эфа – шама менен 22 литр.

 

[4] 2:18 - Эфод – еврейше сөз болып, мәниси анық емес. Бул китапта ол руўханийдиң кийими деп көрсетилген. «Эфод» ты бас руўханийлер кийген (28 аят), ол қымбатбаҳа таўардан тигилген.

 

[5] 5:2 - Дагон – кенаанлылардың дән ҳасылы қудайы.

 

[6] 7:3 - Аштарта – кенаанлылардың муҳаббат ҳәм өнимдарлық қудайы.

 

[7] 7:12 - Эбен-Эзер – «жәрдем тасы» дегенди билдиреди.

 

[8] 9:8 - Шерек шекел – шама менен 3 гр.

 

[9] 10:5 - Лира – бармақ пенен шертилетуғын туўры мүйешли тарлы саз әсбабы.

 

[10] 13:21 - Шекелдиң үштен еки бөлеги – шама менен 8 гр.

 

[11] 13:21 - Шекелдиң үштен бири – шама менен 4 гр.

 

[12] 17:5 - Бес мың шекел – 57 кг.

 

[13] 17:7 - Алты жүз шекел – шама менен 6,8 кг.

 

[14] 23:9 - Эфод – бул Қудайдың еркин билиў ушын қолланылған.

 

[15] 25:18 - Бес сеа – шама менен 37 литр.

 

[16] 28:6 - Урим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған тас болып, оны шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.

[1]

2:8 - Иш-Бошет – 1-шеж. 8:33 Эшбаал, 1-патш. 14:49 Ишўий деп аталады.

 

[2] 4:4 - Мефибошет – 1-шеж. 8:34; 9:40 «Мериб-Баал» деп аталады.

 

[3] 5:8 - Даўытты жек көретуғын – ямаса «Даўыт жек көретуғын».

 

[4] 5:8 - Сарайға – сөзбе-сөз: үйге.

 

[5] 6:2 - Баале-Яҳуда – Кирят-Яримниң басқа аты, 1-шеж. 13:6 қараң.

 

[6] 8:9 - Той – еврейше Тоў, бул Тойдың басқаша атамасы.

 

[7] 8:18 - Керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар – патша Даўыттың шет елден жаллап алған тән сақшылары болыўы мүмкин.

 

[8] 11:8 - Дем ал – сөзбе-сөз: аяқларыңды жуў.

 

[9] 12:27 - Суў тармақ – сөзбе-сөз: суў қала.

 

[10] 12:30 - Бир талант – шама менен 34,5 кг.

 

[11] 13:2 - Амнонның қарындасы Тамара – Даўыттың туңғышы Амнонның анасы изреелли Ахиноам, ал Абшалом менен Тамараның анасы Гешур патшасы Талмайдың қызы Мааха еди, (2-Са. 3:2-3 аятларға қараң).

 

[12] 14:26 - Еки жүз шекел – шама менен 2,5 кг.

 

[13] 15:7 - Төрт жыл – басқа нусқада «қырқ жыл».

 

[14] 17:25 - Израиллы – басқа нусқа ҳәм 1-шеж. 2:17 «исмайыллы».

 

[15] 17:25 - Итра – ямаса «Етер».

 

[16] 21:16 - Дәў әўладларынан – ямаса «Рефа әўладларынан».

 

[17] 23:8 - Тахкемонлы Йошеб-Башшебет – 1-шеж. 11:11 «хахмонлы Яшобам».

 

[18] 23:18 - Сол отыз – басқа нусқада «сол үшеў».

 

[19] 23:19 - Отыз – басқа нусқада «сол үшеў».

[1]

1:38 - Керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар – патша Даўыттың шет елден жаллап алған тән сақшылары болыўы мүмкин.

 

[2] 1:50 - Қурбанлық орынға барып, оның шақларына жабысты – басына өлим қәўпи туўылған адам қурбанлық орынның төрт мүйешинен шығып турған шақларынан услап, бир қасық қанынан кешиўди сорайтуғын болған.

 

[3] 2:5 - Етер – ямаса «Итра».

 

[4] 4:22 - Отыз кор – шама менен 4 тонна.

 

[5] 4:22 - Алпыс кор – шама менен 8 тонна.

 

[6] 5:11 - Жигирма мың кор – шама менен 3500 тонна.

 

[7] 5:11 - Жигирма кор – шама менен 4400 литр.

 

[8] 6:1 - Зиў айында – еврей календары бойынша екинши ай болып, апрель айының ортасынан май айының ортасына шекемги аралық.

 

[9] 6:23 - Керуб – қанатлы руўхый барлықлар.

 

[10] 7:21 - Яхин – еврей тилинде «беккем орнатыўшы» деген мәнисти билдиреди.

 

[11] 7:21 - Боаз – еврей тилинде «қүдирет ийеси» деген мәнисти билдиреди.

 

[12] 7:26 - Еки мың бат – шама менен 44 000 литр.

 

[13] 7:38 - Қырқ бат – шама менен 880 литр.

 

[14] 8:2 - Этаним айындағы байрам ўақтында – ҳәзирги календарь бойынша сентябрьдиң ортасынан октябрьдиң ортасына шекемги аралық.

 

[15] 9:13 - Кабул – еврей тилинде «жарамсыз» деген мәнисти билдиреди.

 

[16] 9:18 - Тамар – еврей тилинде Тадмор деп те оқылады.

 

[17] 10:16 - Алты жүз шекел – шама менен 6 кг.

 

[18] 10:17 - Үш мина – шама менен 1,7 кг.

 

[19] 11:5 - Милком – 7-аяттағы Молох болыўы мүмкин.

 

[20] 11:33 - Сулайман – сөзбе-сөз «олар».

 

[21] 12:32 - Сегизинши айдың он бесинши күни – бул күн еврей календары бойынша октябрьдиң ақыры ноябрьдиң басына, яғный Яҳудадағы Қослар байрамынан кейинги айға туўры келеди.

 

[22] 14:14 - Сол күни-ақ, аўа, ҳәзир-ақ – бул сөзлер ески еврей тилинде жазылған болып, мәниси анық емес.

 

[23] 15:1 - Абиям – ямаса Абия.

 

[24] 15:10 - Кемпир апасы – еврейшеде «анасы» усы баптағы 15:2 ҳәм 15:13 аятларды салыстырың.

 

[25] 19:8 - Хореб – яғный Синай.

[1]

6:25 - Кептер қыйы – аўқатлық ямаса отын ушын пайдаланылған болыўы мүмкин. Және де, қуўырылған лобияның ямаса басқа дәнлердиң кепеги болыўы мүмкин.

 

[2] 7:1 - Бир сеа –шама менен 7,5 л.

 

[3] 8:26 - Омрийдиң ақлығы – сөзбе-сөз: «Омрийдиң қызы».

 

[4] 11:4 - Карлы сақшылар – сырт елли адамлардан дүзилген тән сақшылар болыўы мүмкин.

 

[5] 11:16 - Сарайдың Ат дәрўазасына – патша сарайының ҳәўлисине атлар киретуғын дәрўаза.

 

[6] 14:21 - Азария – басқа аты «Уззия».

 

[7] 14:25 - Өли теңизге – сөзбе-сөз: Араба теңизине.

 

[8] 15:1 - Азария – оның басқа аты Уззия.

 

[9] 15:13 - Уззия – оның басқа аты Азария.

 

[10] 18:2 - Абия –сөзбе-сөз Абий. Абия атының қысқартылған түри.

 

[11] 23:13 - Зәйтүн таўы – сөзбе-сөз: бузыў, яғный «Азғырыў таўы».

 

[12] 24:2 - Бабилон – сөзбе-сөз: Калдей.

 

[13] 25:1 - Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни – б. э. ш. 588 ж. 15-январь.

 

[14] 25:3 - Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни – б. э. ш. 586 ж. 18-июль.

 

[15] 25:27 - Сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни – б. э. ш. 561 ж. 2-апрель.

[1]

1:7 - Роданим – усы ат Жар. 10:4 Доданим.

 

[2] 1:19 - Пелег – «бөлинип кетти» дегенди билдиреди.

 

[3] 3:5 - Бат-Шуадан - басқа нусқада «Бат-Шебадан».

 

[4] 3:11 - Йорам – Еҳорам деп те айтылады.

 

[5] 3:16 - Еҳония - Еврейше Еҳония. Еҳоякинниң басқаша атамасы, және де 17-аятта бар.

 

[6] 5:6 - Тилгат-Пилнесер – Ассирия ҳүкимдары Тилгат-Пилнесер көбинесе Тиглат-Пилесер аты менен белгили.

 

[7] 9:41 - 1Шеж 8:35 те Ахаз деген ат та бар.

 

[8] 11:11 - Үш батыр – ямаса отыз батыр. Және де, 2-Сам. 23:8 аятқа қараң.

 

[9] 11:11 - Яшобам – 2-Сам 23:8 де тахкемонлы Йошеб-Башшебет деп жазылған.

 

[10] 11:20 - Үш батыр – басқа нусқада отыз батыр. 2-Сам. 23:18 аятқа қараң.

 

[11] 11:21 - Үш батыр – басқа нусқада отыз батыр. 2-Сам. 23:18 аятқа қараң

 

[12] 12:15 - Биринши айда – март-апрель айларында.

 

[13] 18:10 - Ҳадорам – Йорамның басқаша атамасы, 2-Сам. 8:10 қараң.

 

[14] 18:16 - Шаўша – 2 Сам. 8:17 де Серая делинген.

 

[15] 18:17 - Керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар – патша Даўыттың шет елден жаллап алған тән сақшылары болыўы мүмкин.

 

[16] 20:2 - Бир талант – шама менен 34,5 кг.

 

[17] 21:15 - Орнан – еврейше Орнан Араўнаның басқа аты, және де 18-28-аятларға қараң.

 

[18] 25:1 - руўхланып қосық айтыў – сөзбе-сөз: пайғамбаршылық етиў.

 

[19] 25:2 - руўхланып қосық айтатуғын еди – сөзбе-сөз: пайғамбаршылық ететуғын еди.

[1]

3:17 - Яхин – «беккем орнатыўшы» деген мәнисти билдиреди.

 

[2] 3:17 - Боаз – «қүдирет ийеси» деген мәнисти билдиреди.

 

[3] 4:5 - Үш мың бат – шама менен 66 000 л.

 

[4] 9:15 - Алты жүз шекел – шама менен 6 кг.

 

[5] 13:5 - Бузылмас бир келисим – сөзбе-сөз: дуз келисими.

 

[6] 20:26 - Бераха – «алғыслаў» деген мәнисти билдиреди.

 

[7] 22:2 - Омрийдиң ақлығы – сөзбе-сөз: «Омрийдиң қызы».

 

[8] 23:15 - Сарайдың Ат дәрўазасына – патша сарайының ҳәўлисине атлар киретуғын дәрўаза.

 

[9] 25:11 - Сеирдиң адамлары – яғный эдомлы.

 

[10] 26:1 - Уззия – оның басқа аты Азария.

 

[11] 29:1 - Абия – сөзбе-сөз Абий. Абия атының қысқартылған түри.

 

[12] 36:22 - Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында – б. э. ш. 538-жыл.

[1]

1:1 - Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында – б. э. ш. 538-жыл.

 

[2] 2:69 - 61 000 дарик – шама менен 520 кг.

 

[3] 2:69 - 5000 мина – шама менен 2,9 т.

 

[4] 3:1 - Жетинши ай – шама менен сентябрьдиң ақырларынан октябрьдиң ақырларына шекемги ўақыт.

 

[5] 3:5 - Жаңа ай байрамында – Санлар 28:11-15.

 

[6] 4:6 - Ахашўерош – б. э. ш. 486-465 жыллар патшалық еткен.

 

[7] 4:7 - Артаксеркс – б. э. ш. 465-424 жыллар патшалық еткен.

 

[8] 6:15 - Алтыншы жылында, Адар айының үшинши күни – б. э. ш. 515 ж, 12-март.

 

[9] 6:19 - Биринши айдың он төртинши күни – б. э. ш. 515 ж. 21-апрель.

 

[10] 7:8 - Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылының бесинши айы – б. э. ш. 458-жыл август-сентябрь айлары.

 

[11] 7:9 - Биринши айдың биринши күни – б. э. ш. 458-жыл 8-апрель.

 

[12] 7:22 - 100 талантқа – шама менен 3,45 тонна.

 

[13] 7:22 - 100 корға – шама менен 17,6 т.

 

[14] 7:22 - 100 батқа – шама менен 2000 л.

 

[15] 7:22 - 100 батқа – 2000 л.

 

[16] 8:26 - 650 талант – шама менен 22,4 т.

 

[17] 8:26 - 100 талантлық – шама менен 3,45 т.

 

[18] 8:26 - 100 талант – 3,45 т.

 

[19] 8:27 - Нарқы 1000 дарик – шама менен 8,5 кг.

 

[20] 8:31 - Биринши айдың он екинши күни – б. э. ш. 458-жыл 19-апрель.

 

[21] 10:9 - Тоғызыншы айдың жигирмаланшы күни – ҳәзирги календарь бойынша б. э. ш. 458-жыл 19-декабрь.

 

[22] 10:16 - Оныншы айдың биринши күни – ҳәзирги календарь бойынша б. э. ш. 458-жыл 29-декабрь.

 

[23] 10:17 - Биринши айдың биринши күни – ҳәзирги календарь бойынша б. э. ш. 457-жыл 27-март.

[1]

1:1 - Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылының Кислеў айында – б. э. ш. 446-жыл ноябрь-декабрь айлары.

 

[2] 2:1 - Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылы, Нисан айы – б. э. ш. 445-жыл бәҳәрдиң баслары.

 

[3] 3:6 - Ешана – ямаса Ески.

 

[4] 3:18 - Биннуй – басқа нусқада Баўўай.

 

[5] 5:11 - Үстеме ушын төлеген гүмислерин – сөзбе-сөз: жүзден бир бөлеклерин.

 

[6] 6:2 - Аўыллардың биринде – ямаса Кефиримде.

 

[7] 6:15 - Элул айының жигирма бесинши сәнесинде – б. э. ш. 445-жылы жаздың ақырында.

 

[8] 7:70 - 1000 дарик – шама менен 8.5 кг.

 

[9] 7:71 - 20 000 дарик – шама менен 170 кг.

 

[10] 7:71 - 2200 мина – шама менен 1,3 т.

 

[11] 7:72 - 20 000 дарик – шама менен 170 кг.

 

[12] 7:72 - 2000 мина –шама менен 170 т.

 

[13] 8:1 - Жетинши айда – шама менен сентябрьдиң ақырларынан октябрьдиң ақырларына шекемги ўақыт.

 

[14] 8:2 - Жетинши айдың биринши күни – б. э. ш. 445-жыл 8-октябрь.

 

[15] 9:1 - Жетинши айдың жигирма төртинши күни – ҳәзирги календарь бойынша б. э. ш. 445-жыл 31-октябрь.

 

[16] 9:9 - Қамыс теңизи – ямаса Қызыл теңизи.

 

[17] 9:14 - Шаббат күни – Қудай буйырған дем алыс күни, ҳәптениң жетинши күни.

 

[18] 9:20 - Манна – израиллылар Мысырдан шығып, қырқ жыл шөлде жасаған ўақтында, Қудай аспаннан жаўдырып турған аўқат.

[1]

1:1 - Ахашўерош – илимпазлардың көпшилиги оның грек тарийхый дереклериндеги Ксеркс 1 (б. э. ш. 485-464) екенлигине исенеди.

 

[2] 1:10 - Ақта – пишилген адам. Бундай адам көбинесе патшалар сарайында жоқары лаўазымларда ислейтуғын болған.

 

[3] 2:12 - Мирра майы – қандай да бир теректиң ширесинен алынып, қайта ислеп таярланған хош ийисли май.

 

[4] 2:16 - Тебет айы – шама менен декабрьдиң ортасынан январьдың ортасына шекемги ўақыт.

 

[5] 3:1 - Агаг – амалеклердиң патшасы болып, амалеклер әзелден-ақ еврейлердиң душпаны еди.

 

[6] 3:7 - Нисан айы – шама менен марттың ортасынан апрельдиң ортасына шекемги ўақыт.

 

[7] 3:7 - Пур – бабилонша сөз болып, шек деген мәнисти билдиреди.

 

[8] 3:7 - Адар айы – шама менен февральдың ортасынан марттың ортасына шекемги ўақыт.

 

[9] 3:9 - Он мың талант гүмис – шама менен 340 тонна.

 

[10] 3:12 - Найыплар – Персия империясында жоқары лаўазымды ийелеген басшылар. Олар бириккен бир неше ўәлаятларды басқаратуғын еди.

 

[11] 4:1 - Басына күл шашып – бул өз муңын ямаса қайғысын билдириў ушын исленетуғын ис-ҳәрекет.

 

[12] 5:14 - Шығанақ – бармақтың ушынан қолдың шығанағына шекемги аралық, шама менен 45-50 см.

 

[13] 7:8 - Ҳаманның бетин жапты – бул ҳәрекет адамның өлимге ҳүким етилгенин билдириўи мүмкин.

 

[14] 8:9 - Сиўан айы – шама менен майдың ортасынан июньның ортасына шекемги ўақыт.

 

[15] 9:1 - Адар айы – 3:7 қараң.

 

[16] 9:3 - Найыплар – 3:12 қараң.

 

[17] 9:24 - Агаг – 3:1 қараң.

 

[18] 9:24 - Пур – 3:7 қараң.

 

[19] 9:26 - Пурим – бул байрам ҳәр жылы Адар айының 14 ҳәм 15-сәнелеринде нышанланады. Бул күнлер шама менен март айының басына туўры келеди.

[1]

1:6 - Иләҳий барлықлар – сөзбе-сөз: Қудайдың балалары.

 

[2] 1:6 - Шайтан – айыплаўшы деген мәнисте.

 

[3] 3:8 - Лиўятан – үлкен теңиз ҳайўаны.

 

[4] 8:11 - Папирус – батпақлық жерлерде өсетуғын қамысқа уқсаған өсимлик.

 

[5] 9:13 - Раҳаб – мифологиялық теңиз мақлуғы болып, әййемги әдебиятларда бул ат пенен тәртипсизликлер сүўретленген.

 

[6] 19:27 - Жүрегим – сөзбе-сөз: бөтекелерим.

 

[7] 36:14 - Сөзбе-сөз: өмири бутханадағы бузық еркеклер арасында ақырына жетеди.

 

[8] 38:7 - Иләҳий барлықлар – сөзбе-сөз: Қудайдың балалары.

[1]

3:3 - Селаҳ – бул саз термини болыўы мүмкин. Анық мәниси белгисиз.

 

[2] 6:1 - Төменги даўыста – бул сөз еврейшеде анық емес. Мәниси «сегиз тарлы саз әсбапта», дегенди де аңлатыўы мүмкин.

 

[3] 7:1 - Жыры – негизги нусқада «Шиггайон».

 

[4] 7:5 - Реҳим қылсам – бул реҳим қылыў қадаған етилген жағдайды нәзерде тутылған болыўы мүмкин. 1-Патш. 15:1-35 қараң.

 

[5] 9:17 - Ҳиггайон – бул, «Селаҳ» сыяқлы, саз термини болыўы мүмкин. Анық мәниси белгисиз.

 

[6] 17:11 - Керуб – қанатлы руўхый барлық.

 

[7] 34:13 - Негизги нусқада усы кейинги қатардың мәниси белгисиз.

[1]

27:6 - Алдамшы – ямаса «артықша».

 

[2] 30:26 - Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.

[1]

7:24 - Сөзбе-сөз: Болмыс.

 

[2] 10:6 - Сөзбе-сөз: Байлар.

 

[3] 10:20 - Сөзбе-сөз: Байды.

 

[4] 11:1 - Сөзбе-сөз: Наныңды суўға тасла, Себеби көп күнлер өтип, оны және табасаң.

 

[5] 11:5 - Ана қурсағындағы балаға жанның қалай кирип, сүйектиң қалай қәлиплесетуғынын билмейтуғының сыяқлы, Ҳәмме нәрсени ислейтуғын Қудайдың ислерин де биле алмайсаң.

 

[6] 11:10 - Сонлықтан жүректен қайғыны қуўып, денеңнен азапты алып тасла. Себеби балалық та, жаслық та – бийҳуда.

[1]

1:3 - Яфо – Жер Орта теңизиндеги Ерусалимге тийисли порт қала.

 

[2] 1:3 - Таршиш – Испанияның қубла-батысында жайласқан қала болыўы мүмкин.

 

[3] 2:3 - Өлилер мәканы – адамлар өлилерди жер астында туңғыйықта сақланып турады деп түсинген.

 

[4] 3:6 - Күлге отырды – бул терең қайғыны ямаса тәўбеге келиўди билдиретуғын ис-ҳәрекет.

[1]

3:8 - Тебес – сөзбе-сөз «Но-Амон». Бул атама Амон деген қудай қарайтуғын қала, дегенди билдиреди.

[1]

2:5 - Байлық – басқа нусқада «шарап».

 

[2] 3:1 - Сөзбе-сөз Шигйонот.

[1]

1:1 - Патша Дарий – Дарий б.э.ш. 522–486 жылларда патшалық еткен Персия патшасы.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:18 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[3] 1:23 - Ийшая 7:14.

 

[4] 2:6 - Сөзбе-сөз: басшыларынан.

 

[5] 2:6 - Михей 5:2.

 

[6] 2:11 - Ладан ҳәм мирра – дәри ҳәм әтир сыпатында қолланылатуғын қымбатлы, хош ийисли өсимлик ширеси.

 

[7] 2:13 - Мысыр – Египет.

 

[8] 2:15 - Осия 11:1.

 

[9] 2:18 - Еремия 31:15.

 

[10] 3:2 - Тәўбе етиңлер! – Терис жолларыңыздан қайтып, Қудайдың жолына түсиңлер!

 

[11] 3:2 - Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы.

 

[12] 3:3 - Ийшая 40:3.

 

[13] 3:7 - Парисейлер, саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топарлары.

 

[14] 3:13 - Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[15] 3:15 - Пүткил ҳақлық – Қудайдың ерки.

 

[16] 4:4 - Мухаддес Нызамды қайталаў 8:3.

 

[17] 4:6 - Забур 90:11-12.

 

[18] 4:7 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:16.

 

[19] 4:10 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:13.

 

[20] 4:16 - Ийшая 9:1-2.

 

[21] 4:19 - Сөзбе-сөз: адамларды аўлайтуғын балықшылар.

 

[22] 4:23 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[23] 5:3 - Яғный: Қудайға мүтәж екенлигин мойынлағанлар бахытлы!

 

[24] 5:6 - Сөзбе-сөз: Ҳақлыққа аш болып, шөллегенлер бахытлы!

 

[25] 5:21 - Шығыў 20:13.

 

[26] 5:22 - Айырым нусқаларда «бийкарға» деген сөз жоқ.

 

[27] 5:23 - Сөзбе-сөз: туўысқаныңның.

 

[28] 5:24 - Сөзбе-сөз: туўысқаныңа.

 

[29] 5:27 - Шығыў 20:14.

 

[30] 5:31 - Мухаддес Нызамды қайталаў 24:1.

 

[31] 5:33 - Лебий 19:12; Санлар 30:2; Мухаддес Нызамды қайталаў 23:21.

 

[32] 5:38 - Көзге көз, тиске тис – жанға жан, қанға қан. Шығыў 21:24; Лебий 24:20; Мухаддес Нызамды қайталаў 19:21.

 

[33] 5:43 - Лебий 19:18.

 

[34] 6:1 - Басқа нусқада: қайыр-садақаларыңызды.

 

[35] 6:17 - Сөзбе-сөз: шашыңа май жағып.

 

[36] 6:33 - Ямаса: Қудайдың еркин.

 

[37] 8:12 - Сөзбе-сөз: Патшалықтың балалары.

 

[38] 8:12 - Сөзбе-сөз: тислерин қайрайды.

 

[39] 8:17 - Ийшая 53:4.

 

[40] 8:20 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[41] 9:13 - Осия 6:6.

 

[42] 9:27 - Даўыттың Урпағы – Масих (Қутқарыўшы) деген мәнисте.

 

[43] 10:4 - Ямаса: кананлы.

 

[44] 10:36 - Михей 7:6.

 

[45] 11:10 - Малахия 3:1.

 

[46] 11:21 - Сөзбе-сөз: қыл кийим кийип, үстине күл шашып. Әййемги заманларда яҳудийлер тәўбе еткенде ямаса қайғырғанда қыл кийим кийип, үстилерине күл шашқан.

 

[47] 12:1 - Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни.

 

[48] 12:4 - Патшалық ҳаққында 1-китап 21:6.

 

[49] 12:5 - Санлар 28:9-10.

 

[50] 12:7 - Осия 6:6.

 

[51] 12:18 - Сөзбе-сөз: Қудайдың ҳүкимин ҳәм қутқарылыў туўралы.

 

[52] 12:21 - Ийшая 42:1-4.

 

[53] 13:15 - Ийшая 6:9-10.

 

[54] 13:31 - Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым.

 

[55] 13:35 - Забур 77:2.

 

[56] 15:4 - Шығыў 20:12; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16.

 

[57] 15:4 - Шығыў 21:17; Лебий 20:9.

 

[58] 15:9 - Ийшая 29:13.

 

[59] 16:16 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[60] 16:18 - Петр – грек тилинде «Пэтрос», тас дегенди билдиреди.

 

[61] 17:21 - Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым.

 

[62] 17:21 - Басқа нусқада мына аят бар: 21 «Бирақ, жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў ҳәм ораза тутыў арқалы қуўып шығарыўға болады».

 

[63] 17:24 - Драхма – грек ақша бирлиги. Бир драхма – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[64] 18:11 - Басқа нусқада мына аят бар: 11 «Себеби Адам Улы жойтылғанларды қутқарыў ушын келди».

 

[65] 18:16 - Мухаддес Нызамды қайталаў 19:15.

 

[66] 18:24 - Бир талант – жумысшының он бес жыллық ис ҳақысы.

 

[67] 18:28 - Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[68] 19:4 - Жаратылыс 1:27.

 

[69] 19:5 - Жаратылыс 2:24.

 

[70] 19:9 - Айырым нусқаларда мынадай сөзлер де бар: «Ажырасқан ҳаялды алған адам да неке ҳадаллығын бузған болады».

 

[71] 19:19 - Шығыў 20:12-16; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16-20.

 

[72] 19:19 - Лебий 19:18.

 

[73] 20:22 - Басқа нусқаларда мынадай сөзлер де бар: «Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма?»

 

[74] 21:5 - Сион қызы – Ерусалим.

 

[75] 21:5 - Зекерия 9:9.

 

[76] 21:9 - Ҳосанна! – «Қудай, бизлерди қутқар!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.

 

[77] 21:9 - Забур 117:25-26.

 

[78] 21:13 - Ийшая 56:7.

 

[79] 21:13 - Еремия 7:11.

 

[80] 21:16 - Забур 8:3.

 

[81] 21:42 - Забур 117:22-23.

 

[82] 22:32 - Шығыў 3:6.

 

[83] 22:37 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:5.

 

[84] 22:39 - Лебий 19:18.

 

[85] 22:44 - Забур 109:1.

 

[86] 23:9 - Сөзбе-сөз: өз әкеңнен басқа адамды «әке» деп атама.

 

[87] 23:14 - Басқа нусқада мына аят бар: 14 «Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби жесирлердиң үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узын дуўа етиўши сизлер бул ушын аўыр жаза аласызлар».

 

[88] 23:28 - Сөзбе-сөз: нызамсызлыққа.

 

[89] 23:39 - Забур 117:26.

 

[90] 24:12 - Сөзбе-сөз: нызамсызлық.

 

[91] 24:15 - Даниел 9:27; 11:31; 12:11.

 

[92] 24:20 - Сөзбе-сөз: шемби күнине. Яҳудийлердиң нызамы бойынша, бул күни жумыс ислеў ҳәм узақ жолға шығыў қадаған етилген еди.

 

[93] 24:29 - Ийшая 13:10; 34:4.

 

[94] 24:38 - Нухтың кемеси – Жаратылыс 6:14-16 ға қараң.

 

[95] 25:41 - Сөзбе-сөз: периштелери.

 

[96] 26:2 - Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди.

 

[97] 26:17 - Ашытқысыз нан байрамы – Қутқарылыў байрамы.

 

[98] 26:31 - Зекерия 13:7.

 

[99] 26:53 - Бир легион – Рим армиясында 6000 әскерден ибарат әскерий топар.

 

[100] 26:64 - Қүдиретлиниң – Қудайдың.

 

[101] 27:10 - Зекерия 11:12-13; Еремия 19:1-13; 32:6-9.

 

[102] 27:35 - Забур 21:18.

 

[103] 27:46 - Забур 21:2.

 

[104] 27:62 - Яғный: жума күни. Шемби күни болған дем алыс күни ушын таярлық көрилетуғын күн.

 

[105] 27:62 - Дем алыс күни – шемби күни.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:2 - Малахия 3:1.

 

[3] 1:3 - Ийшая 40:3.

 

[4] 1:4 - Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[5] 1:8 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[6] 1:15 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[7] 1:17 - Сөзбе-сөз: адамларды аўлайтуғын балықшылар.

 

[8] 1:21 - Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни.

 

[9] 1:21 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[10] 2:10 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[11] 2:16 - Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.

 

[12] 3:2 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[13] 3:18 - Ямаса: кананлы.

 

[14] 4:12 - Ийшая 6:9-10.

 

[15] 4:26 - Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы.

 

[16] 4:31 - Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым.

 

[17] 5:9 - Сөзбе-сөз: легион. Бир легион – Рим армиясында 6000 әскерден ибарат әскерий топар.

 

[18] 6:2 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[19] 6:37 - Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[20] 7:7 - Ийшая 29:13.

 

[21] 7:10 - Шығыў 20:12; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16.

 

[22] 7:10 - Шығыў 21:17; Еремия 20:9.

 

[23] 7:16 - Басқа нусқада мына аят бар: 16 «Еситиўге қулағы бар еситсин!»

 

[24] 7:24 - Басқа нусқада: Тир ҳәм Сидон.

 

[25] 8:29 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[26] 9:44 - Басқа нусқада  48-аят пенен бирдей.

 

[27] 9:46 - Басқа нусқада  48-аят пенен бирдей.

 

[28] 9:48 - Ийшая 66:24.

 

[29] 10:6 - Жаратылыс 1:27.

 

[30] 10:8 - Жаратылыс 2:24.

 

[31] 10:19 - Шығыў 20:12-16; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16-20.

 

[32] 11:9 - Ҳосанна! – «Қудай, бизлерди қутқар!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.

 

[33] 11:10 - Забур 117:25-26.

 

[34] 11:17 - Ийшая 56:7.

 

[35] 11:17 - Еремия 7:11.

 

[36] 11:26 - Басқа нусқада мына аят бар: 26 «Егер сизлер басқалардың гүналарын кеширмесеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширмейди».

 

[37] 12:11 - Забур 117:22-23.

 

[38] 12:18 - Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.

 

[39] 12:26 - Шығыў 3:6.

 

[40] 12:30 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:4-5.

 

[41] 12:31 - Лебий 19:18.

 

[42] 12:36 - Забур 109:1.

 

[43] 13:14 - Даниел 9:27; 11:31; 12:11.

 

[44] 13:25 - Ийшая 13:10; 34:4.

 

[45] 13:33 - Басқа нусқада «дуўа етиңлер» деген сөзлер де бар.

 

[46] 14:12 - Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди.

 

[47] 14:27 - Зекерия 13:7.

 

[48] 14:36 - Сөзбе-сөз: «Абба, Әке!» Абба – арамей тилинде «Әке» дегенди аңлатады. Әкеси менен баласының арасындағы жүдә жақын байланысты билдиретуғын сөз.

 

[49] 14:68 - Басқа нусқада: «Сол ўақытта қораз шақырды», – деген сөзлер де бар.

 

[50] 15:28 - Басқа нусқада мына аят бар: 28 «Ол жынаятшыларға қосып саналды, – деген Мухаддес Жазыў орынланды».

 

[51] 15:34 - Забур 21:2.

 

[52] 16:1 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

[1]

1:15 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[2] 1:17 - Илияс – Ийса Масих туўылмастан бурын IX әсирде жасаған пайғамбар.

 

[3] 1:22 - Аян – Қудай тәрепинен көрсетилген нәрсе.

 

[4] 1:59 - Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин сегизинши күни сүннет етеди.

 

[5] 2:11 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[6] 2:22 - Тазаланыў күнлери – Лебий 12:1-8 бойынша, ул туўған ҳаял қырық күн напәк есапланып, қурбанлық берсе, және таза болатуғын еди.

 

[7] 2:23 - Шығыў 13:2, 12.

 

[8] 2:24 - Лебий 12:8.

 

[9] 2:41 - Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди.

 

[10] 3:4 - Ийшая 40:3-5.

 

[11] 3:6 - Ийшая 40:3-5.

 

[12] 3:8 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[13] 4:4 - Мухаддес Нызамды қайталаў 8:3.

 

[14] 4:8 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:13.

 

[15] 4:11 - Забур 90:11-12.

 

[16] 4:12 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:16.

 

[17] 4:15 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[18] 4:16 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[19] 4:19 - Сөзбе-сөз: майлады. (Қудайдың тапсырған жумысы ушын майланып, тайынланыў.)

 

[20] 4:19 - Ийшая 61:1-2.

 

[21] 5:10 - Адамларды аўлайтуғын адам – Қудайдың жолына түсириўши.

 

[22] 5:17 - Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.

 

[23] 5:24 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[24] 6:1 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[25] 7:27 - Малахия 3:1.

 

[26] 7:41 - Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[27] 8:10 - Ийшая 6:9.

 

[28] 8:30 - Сөзбе-сөз: легион. Бир легион – Рим армиясында 6000 әскерден ибарат әскерий топар.

 

[29] 8:43 - Басқа нусқада: «Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырып, шыпакерлерге бары-жоғын сарп етсе де, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди».

 

[30] 9:20 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[31] 10:13 - Сөзбе-сөз: қыл кийим кийип, үстине күл шашып. Әййемги заманларда яҳудийлер тәўбе еткенде ямаса қайғырғанда қыл кийим кийип, үстилерине күл шашқан.

 

[32] 10:27 - Мухаддес Нызамды қайталаў 6:5.

 

[33] 10:27 - Лебий 19:18.

 

[34] 11:2 - Басқа ески нусқаларда: «Аспандағы Әкемиз».

 

[35] 12:50 - Сөзбе-сөз: шомылдырылыўды.

 

[36] 13:10 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[37] 13:19 - Қышқыл туқым – горчица. Ең кишкене туқым.

 

[38] 13:28 - Сөзбе-сөз: тислериңизди қайрайсызлар.

 

[39] 13:35 - Забур 117:26.

 

[40] 15:8 - Гүмис теңге – драхма (грек ақша бирлиги). Сол заманда жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[41] 16:9 - Сөзбе-сөз: наҳақ байлықтан.

 

[42] 16:11 - Сөзбе-сөз: наҳақ байлыққа.

 

[43] 17:36 - Басқа нусқада мына аят бар: 36 «Еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады».

 

[44] 18:13 - Сөзбе-сөз: көкирегине урып.

 

[45] 18:20 - Шығыў 20:12-16; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16-20.

 

[46] 19:13 - Бир мина – жумысшының үш айлық ис ҳақысы.

 

[47] 19:38 - Забур 117:26.

 

[48] 19:46 - Ийшая 56:7.

 

[49] 19:46 - Еремия 7:11.

 

[50] 20:4 - Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[51] 20:17 - Забур 117:22.

 

[52] 20:27 - Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудийлердиң күшли диний топары.

 

[53] 20:37 - Шығыў 3:6.

 

[54] 20:43 - Забур 109:1.

 

[55] 22:37 - Ийшая 53:12.

 

[56] 23:8 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белги.

 

[57] 23:17 - Басқа нусқада мына аят бар: 17 «Пилат ҳәр Қутқарылыў байрамында олар ушын бир тутқынды босатып жибериўи керек еди».

 

[58] 23:30 - Осия 10:8.

 

[59] 23:48 - Сөзбе-сөз: көкиреклерине ура-ура (яҳудийлердиң өкингенде ҳәм қайғырғанда ислейтуғын ис-ҳәрекети).

 

[60] 23:54 - Таярлық күни – жума күни.

[1]

1:17 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:23 - Ийшая 40:3.

 

[3] 1:25 - Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.

 

[4] 1:31 - Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[5] 1:32 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[6] 1:51 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[7] 2:11 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгисин.

 

[8] 2:13 - Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди.

 

[9] 2:17 - Забур 68:10.

 

[10] 2:23 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилерди.

 

[11] 3:2 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилерди.

 

[12] 3:3 - Қайтадан – жоқарыдан.

 

[13] 4:54 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгиси.

 

[14] 5:4 - Басқа нусқада мына сөзлер де бар: «Олар суўдың қозғалыўын күтип жататуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси ара-тура ҳәўизге түсип, суўды ҳәрекетке келтиретуғын еди. Суў қозғалғаннан соң, биринши болып суўға түскен адам қандай аўырыў болса да, аўырыўына шыпа табатуғын еди».

 

[15] 5:9 - Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни.

 

[16] 5:17 - Әке – Қудай.

 

[17] 6:2 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилерин.

 

[18] 6:4 - Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди.

 

[19] 6:7 - Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[20] 6:14 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгисин.

 

[21] 6:26 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[22] 6:30 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белги.

 

[23] 6:31 - Шығыў 16:4-5; Забур 77:24.

 

[24] 6:31 - Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық.

 

[25] 6:45 - Ийшая 54:13.

 

[26] 6:59 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[27] 7:22 - Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин сегизинши күни сүннет етеди.

 

[28] 7:22 - Сөзбе-сөз: ата-бабаларыңыздан.

 

[29] 7:31 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[30] 7:42 - Патшалық ҳаққында 2-китап 7:12; Михей 5:2.

 

[31] 8:5 - Лебий 20:10; Мухаддес Нызамды қайталаў 22:22-24.

 

[32] 8:17 - Мухаддес Нызамды қайталаў 17:6; 19:15.

 

[33] 8:24 - Сол – «Өз-Өзинен бар болған» деген мәнисте. Ески Келисимде Қудай Өзин усылай атаған.

 

[34] 9:14 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[35] 9:16 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилерди.

 

[36] 9:22 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[37] 10:22 - Ибадатхананы Бағышлаў байрамы – Сириялы ҳүкимдар Антиох тәрепинен ҳарамланған Ибадатхананы Яҳуда Макавей атлы қаҳарманның Ийса Масихтан 164 жыл бурын қозғалаң көтерип, Қудайға бағышлаўын еске түсириў байрамы.

 

[38] 10:34 - Забур 81:6.

 

[39] 10:41 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белги.

 

[40] 11:47 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[41] 12:13 - Ҳосанна! – «Қудай, бизлерди қутқар!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.

 

[42] 12:13 - Забур 117:25-26.

 

[43] 12:15 - Сөзбе-сөз: Сион қызы.

 

[44] 12:15 - Зекерия 9:9.

 

[45] 12:18 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгини.

 

[46] 12:31 - Бул дүньяның ҳәкими – шайтан.

 

[47] 12:37 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[48] 12:38 - Ийшая 53:1.

 

[49] 12:40 - Ийшая 6:10.

 

[50] 13:18 - Сөзбе-сөз: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы өкшесин көтерди». Забур 40:10.

 

[51] 13:19 - Сол – «Өз-Өзинен бар болған» деген мәнисте. Ески Келисимде Қудай Өзин усылай атаған.

 

[52] 14:30 - Бул дүньяның ҳәкими – шайтан.

 

[53] 15:25 - Забур 34:19; 68:4.

 

[54] 17:6 - Сөзбе-сөз: Сениң атыңды.

 

[55] 17:19 - Ямаса: мухаддес қыламан.

 

[56] 19:24 - Забур 21:19.

 

[57] 19:29 - Иссоп – узынлығы бир метрдей өсимлик.

 

[58] 19:31 - Яғный: жума күни.

 

[59] 19:31 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[60] 19:36 - Шығыў 12:46; Санлар 9:12; Забур 33:21.

 

[61] 19:37 - Зекерия 12:10.

 

[62] 19:39 - Сөзбе-сөз: жүз литра (литра – грек аўырлық өлшеми). Шама менен 34 килограмм.

 

[63] 20:30 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[64] 21:8 - Сөзбе-сөз: еки жүз кьюбит. Ески өлшем бирлиги бойынша, бир кьюбит – 45-52 см.

[1]

1:2 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[2] 1:4 - Ямаса: олар менен бирге аўқат жегенде.

 

[3] 1:12 - Сөзбе-сөз: бир дем алыс күнлик жол. Яҳудийлердиң диний дәстүри бойынша, дем алыс күни (шемби күни) басып өтиўге рухсат етилген аралық.

 

[4] 1:20 - Забур 68:26.

 

[5] 1:20 - Забур 108:8.

 

[6] 1:22 - Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[7] 2:1 - Елиўинши күни байрамы – грекше «Пентикост». Қутқарылыў байрамынан соң, елиў күн толғанда болатуғын байрам.

 

[8] 2:21 - Иоел 2:28-32.

 

[9] 2:28 - Забур 15:8-11.

 

[10] 2:31 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[11] 2:35 - Забур 109:1.

 

[12] 2:38 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[13] 2:42 - Нан сындырыў – аўқатланыў ҳәм әсиресе Ийемиз Ийсаның соңғы кешесин еслеў.

 

[14] 3:23 - Мухаддес Нызамды қайталаў 18:15, 18-19.

 

[15] 3:25 - Жаратылыс 22:18; 26:4.

 

[16] 4:1 - Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудийлердиң күшли диний топары.

 

[17] 4:11 - Забур 117:22.

 

[18] 4:16 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белги.

 

[19] 4:26 - Забур 2:1-2.

 

[20] 4:30 - Сөзбе-сөз: қолыңды соза гөр!

 

[21] 4:32 - Сөзбе-сөз: бир жүрек, бир кеўил.

 

[22] 6:2 - Ямаса: хожалық ислери менен айланысқанымыз.

 

[23] 6:9 - «Еркинлер мәжилисханасы» (либертинлер мәжилисханасы) – бурын қул болып, соңынан азатлық алған яҳудийлердиң мәжилисханасы.

 

[24] 7:3 - Жаратылыс 12:1.

 

[25] 7:7 - Жаратылыс 15:13-14.

 

[26] 7:8 - Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин сегизинши күни сүннет етеди.

 

[27] 7:10 - Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған.

 

[28] 7:28 - Шығыў 2:14.

 

[29] 7:32 - Шығыў 3:6.

 

[30] 7:34 - Шығыў 3:5, 7-8, 10.

 

[31] 7:37 - Мухаддес Нызамды қайталаў 18:15.

 

[32] 7:40 - Шығыў 32:1.

 

[33] 7:42 - Сөзбе-сөз: Израил шаңарағы.

 

[34] 7:43 - Амос 5:25-27.

 

[35] 7:44 - Гүўалық шатыры – сөзликке қараң.

 

[36] 7:50 - Ийшая 66:1-2.

 

[37] 7:51 - Сөзбе-сөз: жүреклери ҳәм қулақлары сүннет етилмегенлер!

 

[38] 7:56 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[39] 8:27 - Ақта – пишилген адам.

 

[40] 8:33 - Ийшая 53:7-8.

 

[41] 8:37 - Басқа нусқада мына аят бар: 37 «Филип оған: „Егер шын кеўлиң менен исенсең, болады“, – деди». «Ийса Масихтың Қудайдың Улы екенине исенемен, – деп жуўап берди ўәзир».

 

[42] 9:2 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[43] 9:13 - Яғный: Ийсаға исениўшилерге.

 

[44] 9:18 - Сөзбе-сөз: балықтың қабыршағы сыяқлы бир нәрсе түсип.

 

[45] 9:35 - Ямаса: Ийемизге қайтты.

 

[46] 10:45 - Сөзбе-сөз: сүннетлилер.

 

[47] 11:21 - Ямаса: Ийемиздиң қолы.

 

[48] 11:26 - Масихыйлар – грекше христианлар. Яғный, Ийса Масихты Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп қабыл еткен исениўши адамлар.

 

[49] 11:28 - Клавдий патша – бизиң эрамыздың 41–54 жылларында Рим императоры болған адам.

 

[50] 12:3 - Ашытқысыз нан байрамы – Қутқарылыў байрамы.

 

[51] 12:20 - Ямаса: патшаның жатақ жайының басшысы.

 

[52] 13:3 - Үстине қол қойыў – Қудайдың хызметшилерин хызметке тайынлағанда ямаса басқа елге хызмет етиў ушын жибергенде исленетуғын ис-ҳәрекет.

 

[53] 13:5 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[54] 13:14 - Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни.

 

[55] 13:22 - Патшалық ҳаққында 1-китап 13:14; Забур 88:21.

 

[56] 13:25 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[57] 13:33 - Забур 2:7.

 

[58] 13:34 - Ийшая 55:3.

 

[59] 13:35 - Забур 15:10.

 

[60] 13:41 - Хабакук 1:5.

 

[61] 13:47 - Ийшая 49:6.

 

[62] 15:3 - Яғный: тәўбе етип, Ийсаға исенгенин.

 

[63] 15:5 - Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.

 

[64] 15:14 - Сөзбе-сөз: Өз аты ушын.

 

[65] 15:18 - Амос 9:11-12.

 

[66] 15:21 - Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны.

 

[67] 15:34 - Басқа нусқада мына аят бар: «Бирақ Сила сол жерде қалыўға қарар етти».

 

[68] 16:6 - Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.

 

[69] 16:13 - Сөзбе-сөз: шемби күни.

 

[70] 17:2 - Ямаса: үш шемби аралығында.

 

[71] 17:18 - Эпикуршылар ҳәм стоик ойшыллары – ески грек елиндеги ойшыллардың топары.

 

[72] 17:19 - Ареопаг кеңеси – Арес төбеси деген жерде жайласқан афиналылардың рәсмий кеңеси ямаса суды. Бул жерде он еки қазы жыйналатуғын еди.

 

[73] 18:6 - Кийиминиң шаңын қағып – яҳудийлердиң әдети бойынша, байланыстың үзилгенлигин билдиреди.

 

[74] 18:6 - Сөзбе-сөз: «Қаныңыз басыңызда қалсын!»

 

[75] 19:6 - Сөзбе-сөз: пайғамбаршылық ете баслады.

 

[76] 19:9 - Тиранустың мектеби – Тиранус атлы бир ефесли ойшыл тәлим беретуғын оқыў орны.

 

[77] 19:19 - Драхма – грек ақша бирлиги. Бир драхма – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.

 

[78] 19:38 - Ямаса: ҳәкимлер.

 

[79] 20:7 - Ҳәптениң биринши күни – екшемби күни.

 

[80] 20:26 - Сөзбе-сөз: мен ҳәммениң қанынан тазаман.

 

[81] 21:9 - Ямаса: Қудайдың сөзин үйрететуғын.

 

[82] 23:3 - Сөзбе-сөз: ҳәкленген дийўал!

 

[83] 23:5 - Шығыў 22:28.

 

[84] 24:5 - Насыралылар – Ийсаға исениўши адамлардың топары.

 

[85] 24:7 - Басқа нусқаларда мына аятлар да бар: 6 «Бизлер оны нызамымыз бойынша ҳүким етпекши болдық. 7 Бирақ мыңбасы Лисяс келип, оны бизлердиң қолымыздан тартып алды да, 8 оның айыплаўшыларына сизиң алдыңызға барыўды буйырды».

 

[86] 26:14 - Сөзбе-сөз: ништерге қарсы тепсең (греклердиң турақлы сөз дизбеги).

 

[87] 27:1 - Август – Рим императоры.

 

[88] 27:9 - Яғный: қутқарылыў күнлери. Бул күнлер теңизде күшли даўыллар көтерилетуғын гүз айларына туўра келетуғын еди.

 

[89] 27:27 - Адрия теңизи – бурынғы ўақытлары Италияның қубла тәрепинде жайласқан теңиз.

 

[90] 28:4 - Яғный: греклердиң мифологиясы бойынша, әдилликти сақлайтуғын ҳаял қудай.

 

[91] 28:11 - Егиз қудайлар – грекше «Диоскур». Грек мифологиясы бойынша, бас қудай Зевстиң еки егиз баласы.

 

[92] 28:15 - Ямаса: Аппий базары.

 

[93] 28:21 - Сөзбе-сөз: туўысқанларымыздың.

 

[94] 28:27 - Ийшая 6:9-10.

 

[95] 28:29 - Басқа нусқада мына аят бар: 29 «Павелдиң бул сөзлеринен соң, яҳудийлер өз ара қатты тартысып, сол жерден кетип қалды».

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:1 - Сөзбе-сөз: он еки урыўға.

 

[3] 1:25 - Яғный: Масихтың Нызамына.

 

[4] 2:8 - Лебий 19:18.

 

[5] 2:11 - Шығыў 20:14; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:18.

 

[6] 2:11 - Шығыў 20:13; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:17.

 

[7] 2:12 - Яғный: Масихтың Нызамы.

 

[8] 2:23 - Жаратылыс 15:6; Ийшая 41:8; 2-Жылнама 20:7.

 

[9] 4:5 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[10] 4:5 - Сөзбе-сөз: Қудай бизлерге салған руўхын қызғанып, жақсы көреди.

 

[11] 4:6 - Сулайманның нақыл-мақаллары 3:34.

 

[12] 4:12 - Сөзбе-сөз: жаныңдағы адамды.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:2 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[3] 1:3 - Сөзбе-сөз: тири үмит.

 

[4] 1:16 - Лебий 11:44-45; 19:2; 20:7.

 

[5] 1:25 - Ийшая 40:6-8.

 

[6] 2:6 - Сөзбе-сөз: Сионда.

 

[7] 2:6 - Ийшая 28:16.

 

[8] 2:7 - Забур 117:22.

 

[9] 2:8 - Ийшая 8:14.

 

[10] 2:22 - Ийшая 53:9.

 

[11] 3:9 - Сөзбе-сөз: «Себеби сизлер Қудайдың жарылқаўын мийрас етип алыў ушын шақырылғансызлар».

 

[12] 3:12 - Забур 33:13-17.

 

[13] 3:18 - Ямаса: «Денеси өлтирилсе де, Ол Мухаддес Руўх тәрепинен тирилди».

 

[14] 3:20 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[15] 4:1 - Басқа нусқада: «Масих бизлер ушын денеси менен азап шекти».

 

[16] 4:16 - Масихый – грекше «христиан». Яғный, Ийса Масихты Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп қабыл еткен исениўши адам.

 

[17] 4:18 - Сулайманның нақыл-мақаллары 11:31.

 

[18] 5:5 - Сулайманның нақыл-мақаллары 3:34.

 

[19] 5:12 - Ямаса: Силванусқа.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:13 - Сөзбе-сөз: шатырда.

 

[3] 1:16 - Яғный: Петр, Юхан, Яқып (Матта 17:1-5; Марк 9:2-7; Лука 9:28-35 қараң).

 

[4] 1:17 - Матта 17:5; Марк 9:7; Лука 9:35.

 

[5] 1:20 - Ямаса: «Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи биреўдиң өз бетинше болжаўы емес».

 

[6] 1:21 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[7] 2:16 - Санлар 22:4-35.

 

[8] 2:22 - Сулайманның нақыл-мақаллары 26:11.

 

[9] 3:9 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[10] 3:10 - Ямаса: тийкарғы элементлер.

 

[11] 3:10 - Басқа нусқада: «Жер ҳәм жердеги ҳәмме нәрсе аян болады».

 

[12] 3:12 - Ямаса: тийкарғы элементлер.

[1]

1:2 - Әке – Қудай.

 

[2] 1:3 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[3] 2:20 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[4] 2:20 - Сөзбе-сөз: Мухаддес болғаннан майланғанлықтан.

 

[5] 2:27 - Сөзбе-сөз: майлаўына.

 

[6] 2:27 - Сөзбе-сөз: майлаў.

 

[7] 2:27 - Сөзбе-сөз: Масихтың майлаўы.

 

[8] 5:6 - Яғный: шомылдырылыў рәсиминен өтип, адамлардың қутқарылыўы ушын атанақ ағашта қан төккен.

[1]

1:1 - Ханымға ҳәм оның балаларына – Ийса Масихқа исениўши бир жәмәәт ҳәм сол жәмәәтке тийисли адамлар нәзерде тутылған болса керек.

 

[2] 1:3 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[3] 1:13 - Сиңлиңниң балалары – Юхан болған жердеги жәмәәтке тийисли адамлар нәзерде тутылған болса керек.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:3 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[3] 1:6 - Сөзбе-сөз: өз мәртебе-бийлигин сақламай.

 

[4] 1:12 - Яғный: Қудайға ҳәм бир-бирине деген сүйиспеншилигин көрсетиў ушын, исениўшилер ҳәр екшемби күни бирге аўқатланатуғын еди.

 

[5] 1:18 - Петрдиң 2-хаты 3:3.

 

[6] 1:19 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[7] 1:23 - Сөзбе-сөз: «Ҳәтте, олардың денелериниң гүнакарлығы себепли былғанған кийимлеринен де жеркениңлер».

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:4 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[3] 1:9 - Сөзбе-сөз: руўхым.

 

[4] 1:14 - Сөзбе-сөз: мениң қарызым.

 

[5] 1:14 - Сөзбе-сөз: варварларға.

 

[6] 1:16 - Сөзбе-сөз: греклерди.

 

[7] 1:17 - Хабакук 2:4.

 

[8] 2:9 - Сөзбе-сөз: грек адамға.

 

[9] 2:10 - Сөзбе-сөз: грек адамға.

 

[10] 2:24 - Ийшая 52:5; Езекил 36:22.

 

[11] 2:25 - Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин, сегизинши күни сүннет етеди.

 

[12] 3:4 - Забур 50:6.

 

[13] 3:9 - Сөзбе-сөз: грек адамы да.

 

[14] 3:12 - Забур 13:1-3; 52:1-4; Ўаз китабы 7:20.

 

[15] 3:13 - Сөзбе-сөз: «Олардың гегирдеклери бир ашық гөрге мегзер». Забур 5:10.

 

[16] 3:13 - Забур 139:3.

 

[17] 3:14 - Забур 9:28.

 

[18] 3:17 - Ийшая 59:7-8.

 

[19] 3:18 - Сөзбе-сөз: көзлеринде. Забур 35:2.

 

[20] 3:24 - Сөзбе-сөз: Ийса Масихтағы қутқарылыў.

 

[21] 4:3 - Жаратылыс 15:6.

 

[22] 4:7 - Сөзбе-сөз: нызамсыз.

 

[23] 4:8 - Забур 31:1-2.

 

[24] 4:17 - Жаратылыс 17:5.

 

[25] 4:18 - Жаратылыс 15:5.

 

[26] 6:19 - Сөзбе-сөз: денеңиз ҳәлсиз болғанлықтан.

 

[27] 6:19 - Сөзбе-сөз: нызамсыз ислерди ислеў ушын нызамсызлыққа.

 

[28] 7:7 - Сөзбе-сөз: гүна.

 

[29] 7:7 - Шығыў 20:7; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:21.

 

[30] 7:14 - Сөзбе-сөз: Нызамның руўхый екенин.

 

[31] 8:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[32] 8:15 - Сөзбе-сөз: «Абба, Әке!» Абба – арамей тилинде «Әке» дегенди аңлатады. Әкеси менен баласының арасындағы жүдә жақын байланысты билдиретуғын сөз.

 

[33] 8:27 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[34] 8:28 - Басқа нусқада: «Қудайды сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсе жақсылық болып хызмет ететуғынын билемиз».

 

[35] 8:36 - Забур 42:23.

 

[36] 9:7 - Жаратылыс 21:12.

 

[37] 9:9 - Жаратылыс 18:10, 14.

 

[38] 9:12 - Жаратылыс 25:23.

 

[39] 9:13 - Малахия 1:2-3.

 

[40] 9:15 - Шығыў 33:19.

 

[41] 9:17 - Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған.

 

[42] 9:17 - Шығыў 9:16.

 

[43] 9:25 - Осия 2:23.

 

[44] 9:26 - Осия 1:10.

 

[45] 9:27 - Сөзбе-сөз: қалдығы.

 

[46] 9:28 - Ийшая 10:22-23.

 

[47] 9:29 - Содом ҳәм Гомора қалалары – жеркенишли ис-ҳәрекетлери ҳәм гүнакарлығы себепли, Қудай тәрепинен жазаланып жоқ қылынған ески қалалар.

 

[48] 9:29 - Ийшая 1:9.

 

[49] 9:33 - Сөзбе-сөз: Сионда.

 

[50] 9:33 - Оған – Ийса Масихқа.

 

[51] 9:33 - Ийшая 8:14; 28:16.

 

[52] 10:4 - Сөзбе-сөз: Масих – Мухаддес Нызамның соңы.

 

[53] 10:5 - Лебий 18:5.

 

[54] 10:6 - Мухаддес Нызамды қайталаў 30:12.

 

[55] 10:7 - Мухаддес Нызамды қайталаў 30:13.

 

[56] 10:8 - Мухаддес Нызамды қайталаў 30:12-14.

 

[57] 10:11 - Ийшая 28:16.

 

[58] 10:13 - Иоел 2:32.

 

[59] 10:15 - Ийшая 52:7.

 

[60] 10:16 - Ийшая 53:1.

 

[61] 10:18 - Забур 18:5.

 

[62] 10:19 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:21.

 

[63] 10:20 - Ийшая 65:1.

 

[64] 10:21 - Сөзбе-сөз: қолларымды созып турдым. Ийшая 65:2.

 

[65] 11:3 - Патшалық ҳаққында 3-китап 19:10, 14.

 

[66] 11:4 - Баал – Палестинада кананлылар табынған бут.

 

[67] 11:4 - Патшалық ҳаққында 3-китап 19:18.

 

[68] 11:8 - Мухаддес Нызамды қайталаў 29:4; Ийшая 29:10.

 

[69] 11:10 - Забур 68:23-24.

 

[70] 11:22 - Сөзбе-сөз: қулағанларға.

 

[71] 11:26 - Сөзбе-сөз: Сионнан.

 

[72] 11:27 - Ийшая 59:20-21; 27:9.

 

[73] 11:34 - Ийшая 40:13.

 

[74] 11:35 - Аюп 41:3.

 

[75] 12:1 - Сөзбе-сөз: денелериңизди.

 

[76] 12:1 - Ямаса: руўхый.

 

[77] 12:13 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[78] 12:19 - Сөзбе-сөз: Қудайдың ғәзебине.

 

[79] 12:19 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:35.

 

[80] 12:20 - Сөзбе-сөз: «Оның басына жанып турған шоқ жыйнайсаң». Сулайманның нақыл-мақаллары 25:21-22.

 

[81] 13:9 - Шығыў 20:13-15, 17; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:17-19, 29.

 

[82] 13:9 - Лебий 19:18.

 

[83] 13:14 - Сөзбе-сөз: Ийемиз Ийса Масихты кийип алыңлар.

 

[84] 14:11 - Сөзбе-сөз: ҳәр бир дизе.

 

[85] 14:11 - Сөзбе-сөз: ҳәр бир тил.

 

[86] 14:11 - Ийшая 45:23; 49:18.

 

[87] 15:3 - Забур 68:10.

 

[88] 15:8 - Сөзбе-сөз: сүннетлилердиң.

 

[89] 15:9 - Забур 17:50; Патшалық ҳаққында 2-китап 22:50.

 

[90] 15:10 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:43.

 

[91] 15:11 - Забур 116:1.

 

[92] 15:12 - Ишай – Даўыттың әкеси.

 

[93] 15:12 - Ийшая 11:10.

 

[94] 15:19 - Адрия теңизиниң жағасындағы үлке.

 

[95] 15:21 - Ийшая 52:15.

 

[96] 15:25 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[97] 15:26 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[98] 15:28 - Сөзбе-сөз: жыйналған өнимди.

 

[99] 15:31 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[100] 16:5 - Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.

 

[101] 16:7 - Ямаса: миллетлеслерим.

 

[102] 16:11 - Ямаса: миллетлесим.

 

[103] 16:15 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[104] 16:21 - Ямаса: миллетлеслерим.

 

[105] 16:24 - Басқа нусқада мына аят бар: 24 «Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин».

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:7 - Руўхый сый – Өзине хызмет етиўи ушын, Қудайдың исениўшилерге беретуғын сыйы.

 

[3] 1:12 - Кифаға – яғный, Петрге.

 

[4] 1:13 - Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[5] 1:19 - Ийшая 29:14.

 

[6] 1:20 - Сөзбе-сөз: диний муғаллим.

 

[7] 1:31 - Еремия 9:23-24.

 

[8] 2:1 - Басқа нусқада: Қудайдың гүўалығын.

 

[9] 2:4 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[10] 2:6 - Бизлер – Павел ҳәм оның жанындағы адамлар.

 

[11] 2:9 - Ийшая 64:4.

 

[12] 2:13 - Ямаса: «Яғный, руўхый нәрселерди Мухаддес Руўхқа ийе адамларға түсиндиремиз».

 

[13] 2:16 - Ийшая 40:13.

 

[14] 3:19 - Аюп 5:13.

 

[15] 3:20 - Забур 93:11.

 

[16] 5:6 - Ямаса: «Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди». Демек, бир адамның тәпси пүткил жәмәәтке тийеди.

 

[17] 5:7 - Қутқарылыў байрамы – яҳудийлердиң бул байрамында қурбанлық қозысы шалынып, ашытқысыз нан писириледи.

 

[18] 5:13 - Мухаддес Нызамды қайталаў 19:19; 21:21; 22:21, 24; 24:7.

 

[19] 6:1 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[20] 6:2 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң.

 

[21] 6:16 - Жаратылыс 2:24.

 

[22] 7:10 - Матта 19:6; Марк 10:12.

 

[23] 7:14 - Сөзбе-сөз: мухаддес.

 

[24] 7:39 - Ямаса: «Тек бул Ийемиздиң ерки бойынша болсын».

 

[25] 8:10 - Сөзбе-сөз: ҳүжданы.

 

[26] 9:9 - Мухаддес Нызамды қайталаў 25:4.

 

[27] 10:3 - Сөзбе-сөз: бирдей руўхый аўқатты. Яғный, маннаны. Шығыў 16:35 қараң.

 

[28] 10:4 - Сөзбе-сөз: бирдей руўхый суўды. Шығыў 17:6 қараң.

 

[29] 10:4 - Сөзбе-сөз: руўхый жартастан. Шығыў 17:6 қараң.

 

[30] 10:7 - Шығыў 32:6.

 

[31] 10:9 - Басқа нусқада: Масихты.

 

[32] 10:9 - Санлар 21:5-6.

 

[33] 10:10 - Санлар 16:41-49.

 

[34] 10:26 - Забур 24:1.

 

[35] 11:3 - Ямаса: ер адам.

 

[36] 11:4 - Ямаса: Масихты.

 

[37] 11:5 - Ямаса: күйеўин.

 

[38] 12:10 - Яғный: Қудайдың сөзин түсиндириў.

 

[39] 12:13 - Сөзбе-сөз: «Бизлердиң ҳәммемизге бир Руўхтан ишиўге берилди».

 

[40] 12:28 - Яғный: Қудайдың сөзин түсиндириўшилерди.

 

[41] 14:1 - Яғный: Қудайдың сөзин түсиндириў.

 

[42] 14:21 - Ийшая 28:11-12.

 

[43] 14:22 - Яғный: Қудайдың сөзин түсиндириў.

 

[44] 14:29 - Яғный: Қудайдың сөзин түсиндириўшилердиң де.

 

[45] 14:32 - Сөзбе-сөз: «Пайғамбарлардың руўхлары пайғамбарларға бойсынады».

 

[46] 14:33 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң.

 

[47] 15:3 - Ийшая 53:5-12.

 

[48] 15:4 - Забур 15:8-10.

 

[49] 15:27 - Забур 8:7.

 

[50] 15:32 - Сөзбе-сөз: Ефестеги жабайы ҳайўанлар.

 

[51] 15:32 - Ийшая 22:13.

 

[52] 15:37 - Сөзбе-сөз: денени.

 

[53] 15:45 - Жаратылыс 2:7.

 

[54] 15:47 - Яғный: Ийемиз Ийса.

 

[55] 15:50 - Сөзбе-сөз: «Ширийтуғын нәрсе ширимейтуғын нәрсени мийрас етип ала алмайды».

 

[56] 15:54 - Ийшая 25:8.

 

[57] 15:55 - Осия 13:14.

 

[58] 16:1 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[59] 16:2 - Сөзбе-сөз: ҳәптениң биринши күни.

 

[60] 16:8 - Елиўинши күни байрамы – грекше «Пентикост». Қутқарылыў байрамынан соң, елиў күн толғанда болатуғын байрам.

 

[61] 16:9 - Сөзбе-сөз: кең қапы.

 

[62] 16:15 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң.

 

[63] 16:19 - Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.

 

[64] 16:22 - Сөзбе-сөз: марана-та!

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:1 - Яғный: Ийсаға исениўшилерге.

 

[3] 1:8 - Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.

 

[4] 1:12 - Басқа нусқада: мухаддеслик.

 

[5] 1:19 - Ямаса: Силванус.

 

[6] 1:22 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[7] 2:5 - Коринфлилерге жазылған 1-хат 5:1 қа қараң.

 

[8] 2:13 - Коринфлилерге 2-хат 7:6 қа қараң.

 

[9] 3:2 - Басқа нусқада: сизлердиң жүреклериңизде.

 

[10] 3:7 - Шығыў 34:29.

 

[11] 4:3 - Коринфлилерге жазылған 2-хат 3:14-15 қа қараң.

 

[12] 4:5 - Бизлер – Павел ҳәм оның жанындағы адамлар.

 

[13] 4:6 - Жаратылыс 1:3.

 

[14] 4:13 - Забур 115:1.

 

[15] 5:11 - Сөзбе-сөз: «Бизлердиң қандай екенлигимиз сизлердиң ҳүжданыңызға аян екенлигинен үмит етемен».

 

[16] 5:14 - Сөзбе-сөз: ҳәмме өлген болады.

 

[17] 6:2 - Ийшая 49:8.

 

[18] 6:15 - Сөзбе-сөз: Белиар. Шайтанның бир аты.

 

[19] 6:16 - Лебий 26:11-12; Еремия 32:38; Езекил 37:27.

 

[20] 6:16 - Еремия 31:1.

 

[21] 6:17 - Ийшая 52:11; Езекил 20:34, 41.

 

[22] 6:18 - Патшалық ҳаққында 2-китап 7:8, 14.

 

[23] 7:11 - Павел бул жерде Коринфлилерге 1-хат 5:1 та айтылған машқаланың жақсы шешилгени ҳаққында айтып атыр.

 

[24] 8:4 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[25] 8:7 - Басқа нусқада: бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимизде.

 

[26] 8:15 - Шығыў 16:18.

 

[27] 8:23 - Сөзбе-сөз: елшилери.

 

[28] 9:1 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[29] 9:2 - Яғный: Коринф қаласындағылар. Коринф қаласы Ахая үлкесиниң бас қаласы болды.

 

[30] 9:9 - Забур 111:9.

 

[31] 9:12 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң.

 

[32] 10:17 - Еремия 9:24.

 

[33] 12:21 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[34] 13:1 - Мухаддес Нызамды қайталаў 19:15.

 

[35] 13:11 - Ямаса: бир-бириңизге жубаныш бериңлер.

 

[36] 13:12 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

[1]

1:2 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:18 - Ямаса: Кифа. Кифа – Петр деген аттың ески арамейше түри.

 

[3] 2:7 - Сөзбе-сөз: сүннетсизлерге.

 

[4] 2:7 - Сөзбе-сөз: сүннетлилерге.

 

[5] 2:9 - Яғный: Петр.

 

[6] 2:12 - Сөзбе-сөз: сүннетлилер.

 

[7] 2:15 - Гүнакар – яҳудийлердиң ойы бойынша, Мухаддес Нызамсыз жасайтуғын басқа миллет адамлары гүнакар болып есапланатуғын еди.

 

[8] 3:2 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[9] 3:6 - Жаратылыс 15:6.

 

[10] 3:8 - Жаратылыс 12:3; 18:18; 22:18.

 

[11] 3:10 - Мухаддес Нызамды қайталаў 27:26.

 

[12] 3:11 - Ямаса: «Ақланған адам исеними менен жасайды». Хабакук 2:4.

 

[13] 3:12 - Лебий 18:5.

 

[14] 3:14 - Мухаддес Нызамды қайталаў 21:23.

 

[15] 3:16 - Ўәде – Жаратылыс 12:7 қа қараң.

 

[16] 3:27 - Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[17] 3:27 - Сөзбе-сөз: Масихты кийип алдыңлар.

 

[18] 4:6 - Сөзбе-сөз: «Абба, Әке!» Абба – арамей тилинде «Әке» дегенди аңлатады. Әкеси менен баласының арасындағы жүдә жақын байланысты билдиретуғын сөз.

 

[19] 4:22 - Жаратылыс 21:1-12.

 

[20] 4:26 - Сөзбе-сөз: «Бирақ аспандағы Ерусалим азат».

 

[21] 4:27 - Ийшая 54:1.

 

[22] 4:30 - Жаратылыс 21:10.

 

[23] 5:12 - Ақта етиў – пиштириў.

 

[24] 5:14 - Лебий 19:18.

 

[25] 6:8 - Сөзбе-сөз: «Өз тәбиятына еккен тәбиятынан өлим орып алады. Руўхқа еккен Руўхтан мәңгилик өмир орып алады».

 

[26] 6:16 - Сөзбе-сөз: Қудайдың Израилына.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:1 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[3] 1:13 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[4] 1:15 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[5] 1:18 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[6] 2:6 - Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы.

 

[7] 2:16 - Сөзбе-сөз: бир дене.

 

[8] 3:8 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[9] 3:18 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

 

[10] 4:8 - Забур 67:19.

 

[11] 4:12 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерди.

 

[12] 5:3 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[13] 5:26 - Яғный: суўға шомылдырыў рәсиминен өткизип. Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.

 

[14] 5:31 - Жаратылыс 2:24.

 

[15] 6:3 - Шығыў 20:12; Мухаддес Нызамды қайталаў 15:16.

 

[16] 6:18 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:1 - Яғный: исениўшилерге.

 

[3] 2:1 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[4] 2:11 - Сөзбе-сөз: ҳәр бир тил.

 

[5] 2:12 - Сөзбе-сөз: қутқарылыўыңызды әмелге асыра бериңлер.

 

[6] 3:3 - Сөзбе-сөз: өз денемизге.

 

[7] 4:3 - Сизигус деген ат «ҳақыйқый жолдасым» дегенди аңлатады.

 

[8] 4:3 - Өмир китабы – мәңгилик өмирге ийе болғанлардың атлары жазылған Қудайдың китабы.

 

[9] 4:21 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[10] 4:22 - Сөзбе-сөз: мухаддеслер.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:2 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[3] 1:4 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[4] 1:8 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[5] 1:12 - Яғный: исениўшилердиң.

 

[6] 1:26 - Яғный: исениўшилерге.

 

[7] 2:13 - Сөзбе-сөз: денеңиздиң.

 

[8] 3:11 - Варвар – сол заманларда грек тилин билмейтуғын адамлар усылай деп аталған. Бул сөздиң мәниси «жат адам» дегенди аңлатады.

 

[9] 3:11 - Скиф – әййемде Қара теңиздиң арқа-шығысында жасаған көшпели халық. Бул халық сол заманларда саўатсыз ҳәм жабайы халық болып саналған.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:5 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[3] 3:13 - Яғный: Ийсаға исениўшилер.

 

[4] 4:4 - Ямаса: өз ҳаялы менен мухаддес ҳәм ҳадал қатнаста болыўды билиўин.

 

[5] 5:5 - Нур ҳәм күндиздиң балалары – Қудайдың балалары.

 

[6] 5:19 - Сөзбе-сөз: Мухаддес Руўхты өширмеңлер.

 

[7] 5:20 - Пайғамбаршылық сөзлери – Мухаддес Руўх арқалы берилген Қудайдың сөзлери.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 2:2 - Сөзбе-сөз: руўх.

 

[3] 2:3 - Сөзбе-сөз: Қудайға қарсы қозғалаң көтерилип.

 

[4] 2:13 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[5] 3:16 - Ямаса: ҳәр түрли жол менен.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 2:15 - Бул аят ҳаял бала туўыўы арқалы қутқарылады, деген мәнисти емес, ал ҳаял хожалықта ҳаяллық ҳәм аналық ўазыйпасын жақсы орынлаўы тийис деген мәнисти береди. Бул аятты алдында айтылған аятлар менен байланыстырып түсиниў тийис.

 

[3] 3:2 - Ямаса: тек бир ҳаялға үйленген.

 

[4] 3:11 - Ямаса: хызметши ҳаяллар да.

 

[5] 3:12 - Ямаса: тек бир ҳаялға үйленген.

 

[6] 3:16 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[7] 4:2 - Сөзбе-сөз: ҳүжданлары ыссы темир менен қыздырылған.

 

[8] 4:14 - Қол қойып дуўа етиў – исениўшилер жәмәәтинде бир адам хызметке қойылғанда исленетуғын ис-ҳәрекет.

 

[9] 4:14 - Руўхый сый – Өзине хызмет етиўи ушын, Қудайдың исениўшилерге беретуғын сыйы.

 

[10] 5:10 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң аяғын жуўған.

 

[11] 5:16 - Басқа нусқада: исениўши бир ер ямаса ҳаял адамның.

 

[12] 5:18 - Мухаддес Нызамды қайталаў 24:5.

 

[13] 5:18 - Санлар 18:31; 2-Жылнама 15:7.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:6 - Сөзбе-сөз: Қудайдың саған берген сыйын жалынлата бериў.

 

[3] 1:12 - Ямаса: Мениң Оған тапсырғанымды.

 

[4] 1:14 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[5] 1:15 - Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.

 

[6] 1:18 - Сол күни – Ийса Масихтың бул дүньяға қайта келетуғын күни.

 

[7] 2:19 - Санлар 16:5.

 

[8] 2:19 - Сөзбе-сөз: Ийемиздиң атын айтып шақыратуғын.

 

[9] 2:19 - Санлар 16:26.

 

[10] 4:17 - Сөзбе-сөз: арысланның аўзынан.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:6 - Ямаса: тек бир ҳаялға үйленген.

 

[3] 1:10 - Сөзбе-сөз: сүннет етилгенлер.

 

[4] 1:12 - Сөзбе-сөз: өз пайғамбары.

 

[5] 2:14 - Сөзбе-сөз: ҳәр қандай нызамсыз исимиздиң.

 

[6] 2:15 - Сөзбе-сөз: толық буйрық.

 

[7] 3:5 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:5 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[3] 1:7 - Сөзбе-сөз: мухаддеслердиң.

 

[4] 1:25 - Сөзбе-сөз: сизлердиң руўхыңызға.

[1]

1:5 - Забур 2:7.

 

[2] 1:5 - Патшалық ҳаққында 2-китап 7:14.

 

[3] 1:6 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:43.

 

[4] 1:7 - Забур 103:4.

 

[5] 1:8 - Патшалық ҳасаң – әдиллик ҳасасы.

 

[6] 1:9 - Сөзбе-сөз: «Сени қуўаныш майы менен көбирек майлады».

 

[7] 1:9 - Забур 44:7-8.

 

[8] 1:12 - Забур 101:26-28.

 

[9] 1:13 - Забур 109:1.

 

[10] 2:4 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[11] 2:7 - Ямаса: сәл-пәл.

 

[12] 2:8 - Забур 8:5-7.

 

[13] 2:12 - Забур 21:23.

 

[14] 2:13 - Ийшая 8:17.

 

[15] 2:13 - Ийшая 8:18.

 

[16] 3:6 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[17] 3:11 - Забур 94:7-11.

 

[18] 3:15 - Забур 94:7-8.

 

[19] 4:3 - Забур 94:11.

 

[20] 4:4 - Яғный: шемби күни. Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни.

 

[21] 4:4 - Жаратылыс 2:2.

 

[22] 4:5 - Забур 94:11.

 

[23] 4:7 - Забур 94:7-8.

 

[24] 5:5 - Забур 2:7.

 

[25] 5:6 - Забур 109:4.

 

[26] 6:1 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[27] 6:10 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

 

[28] 6:14 - Жаратылыс 22:17.

 

[29] 7:21 - Забур 109:4.

 

[30] 8:5 - Шығыў 25:40.

 

[31] 8:12 - Еремия 31:31-34.

 

[32] 9:4 - Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық.

 

[33] 9:5 - Ямаса: мийрим-шәпәәт берилетуғын жерди.

 

[34] 9:9 - Сөзбе-сөз: ҳүжданын минсиз қыла алмайтуғынын.

 

[35] 9:11 - Басқа нусқада: Бирақ Масих келешектеги жақсы нәрселердиң.

 

[36] 9:16 - Грекше «ўәсият» сөзи «келисим» дегенди де билдиреди.

 

[37] 9:20 - Шығыў 24:8.

 

[38] 10:7 - Забур 39:7-8.

 

[39] 10:16 - Еремия 31:33.

 

[40] 10:17 - Еремия 31:34.

 

[41] 10:30 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:35.

 

[42] 10:30 - Мухаддес Нызамды қайталаў 32:36; Забур 134:14.

 

[43] 10:38 - Хабакук 2:3-4.

 

[44] 11:18 - Жаратылыс 21:12.

 

[45] 11:24 - Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған.

 

[46] 12:2 - Ямаса: ең сыйлы орынға.

 

[47] 12:6 - Сулайманның нақыл-мақаллары 3:11-12.

 

[48] 12:12 - Сөзбе-сөз: күшсиз қолларыңызды көтерип, ҳәлсиз дизелериңизди жазыңлар.

 

[49] 12:13 - Сөзбе-сөз: ақсаңлаған аяқ қайырылып қалмай, шыпа алыўы ушын, тегис жол менен жүриңлер.

 

[50] 12:20 - Шығыў 19:12-13.

 

[51] 12:21 - Мухаддес Нызамды қайталаў 9:19.

 

[52] 12:26 - Агей 2:6, 21.

 

[53] 13:5 - Мухаддес Нызамды қайталаў 31:6, 8; Жаратылыс 28:15; Ешуа Набин 1:5.

 

[54] 13:6 - Забур 117:6.

 

[55] 13:10 - Сөзбе-сөз: сол қурбанлықтан жеўге ҳақысы жоқ.

 

[56] 13:24 - Сөзбе-сөз: мухаддеслерге.

[1]

1:1 - Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы.

 

[2] 1:5 - Ямаса: Қудайдың Мухаддес Руўхынан.

 

[3] 1:7 - Даниел 7:13.

 

[4] 1:7 - Зекерия 12:10.

 

[5] 1:8 - Альфа ҳәм Омега – грек әлипбесиниң биринши ҳәм соңғы ҳәриплери.

 

[6] 1:10 - Ямаса: екшемби күни. Ийемиз Ийса усы күни өлимнен қайта тирилген еди.

 

[7] 1:10 - Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы.

 

[8] 1:11 - Смирна – ҳәзирги аты Измир.

 

[9] 1:13 - Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты.

 

[10] 1:20 - Ямаса: периштелери.

 

[11] 2:1 - Ямаса: периштесине.

 

[12] 2:8 - Ямаса: периштесине.

 

[13] 2:12 - Ямаса: периштесине.

 

[14] 2:17 - Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық.

 

[15] 2:18 - Ямаса: периштесине.

 

[16] 2:21 - Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў.

 

[17] 2:23 - Сөзбе-сөз: балаларын.

 

[18] 2:27 - Забур 2:9.

 

[19] 3:1 - Ямаса: периштесине.

 

[20] 3:1 - Ямаса: Қудайдың Мухаддес Руўхына.

 

[21] 3:4 - Сөзбе-сөз: кийимлерин кирлетпеген.

 

[22] 3:5 - Өмир китабы – мәңгилик өмирге ийе болғанлардың атлары жазылған Қудайдың китабы.

 

[23] 3:7 - Ямаса: периштесине.

 

[24] 3:14 - Ямаса: периштесине.

 

[25] 4:2 - Яғный: Қудайды.

 

[26] 4:3 - Радуга – жаўын жаўғаннан соң, ҳәр түрли түске дөнип, аспанда пайда болатуғын қылыш сыяқлы белги.

 

[27] 4:6 - Сөзбе-сөз: ортасында.

 

[28] 5:1 - Сөзбе-сөз: оралған қағаз.

 

[29] 5:6 - Қозы – пүткил адамзат ушын қурбан болған Ийса Масихтың тымсалы.

 

[30] 5:8 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[31] 8:3 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[32] 10:2 - Сөзбе-сөз: оралған кишкене қағаз.

 

[33] 12:14 - Сөзбе-сөз: «бир мүддет, мүддетлер ҳәм ярым мүддет».

 

[34] 12:17 - Басқа нусқада: «Мен теңиз жағасында турған едим».

 

[35] 13:7 - Яғный: Ийсаға исениўшилерге.

 

[36] 13:10 - Еремия 15:2; 43:11.

 

[37] 13:13 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[38] 13:14 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[39] 14:1 - Сион таўы – Ерусалим қаласындағы бир таў.

 

[40] 14:4 - Сөзбе-сөз: «Булар – өзлерин ҳаяллар менен ипласламаған пәк адамлар еди».

 

[41] 14:10 - Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесеси – Қудайдың жазасы.

 

[42] 14:12 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[43] 14:20 - Сөзбе-сөз: 1600 стадия. Шама менен 300 километр.

 

[44] 15:3 - Басқа нусқада: әўладлардың Патшасы.

 

[45] 15:5 - Гүўалық шатыры – сөзликке қара.

 

[46] 16:6 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[47] 16:14 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[48] 17:6 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[49] 17:12 - Сөзбе-сөз: бир саат.

 

[50] 18:3 - Басқа нусқада: «Өйткени ол өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизди».

 

[51] 18:13 - Сөзбе-сөз: адам денесин.

 

[52] 18:20 - Яғный: Ийсаға исениўшилер.

 

[53] 19:1 - Ҳалилуйя – еврейше «Қудайды алғыслаң» деген мәнисте.

 

[54] 19:8 - Яғный: Ийсаға исениўшилердиң.

 

[55] 19:10 - Сөзбе-сөз: «Өйткени Ийсаның гүўалығы – пайғамбаршылық руўхы демек».

 

[56] 19:11 - Атқа Минген – бул жерде Ийса Масих ҳаққында айтылып атыр.

 

[57] 19:20 - Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер.

 

[58] 19:21 - Яғный: Ийса Масихтың.

 

[59] 20:9 - Яғный: исениўшилердиң.

 

[60] 20:11 - Яғный: Қудайды.

 

[61] 21:16 - Сөзбе-сөз: он еки мың стадия.

 

[62] 21:17 - Сөзбе-сөз: бир жүз қырық төрт кьюбит. Ески өлшем бирлиги бойынша, бир кьюбит – 45-52 см.

Сообщить об ошибке

Библиотека Святых отцов и Учителей Церквиrusbatya.ru Яндекс.Метрика

Все материалы, размещенные в электронной библиотеке, являются интеллектуальной собственностью. Любое использование информации должно осуществляться в соответствии с российским законодательством и международными договорами РФ. Информация размещена для использования только в личных культурно-просветительских целях. Копирование и иное распространение информации в коммерческих и некоммерческих целях допускается только с согласия автора или правообладателя